ҚЫЗЫЛ ҚАЛА

Қызыл қала Топырақ қаладан 1, 3 км батыста жайласқан. Ол дерлик квадрат формада болып, еки тәрепинде қараўыл төбелер ҳәм де оқжай тәризли амбразуралары бар 16 метр бийикликтеги дийўалларға ийе. Қаланың кириў аўзына түслик-шығыстағы қыя өтиў жолы арқалы барыў мүмкин. Әзелинде Толық мағлыўмат →

ЖАМПЫҚ ҚАЛА

Жампық қала Султан Ўәйис таўының түслик-батыс тәрепинде жайласқан. Ол Әмиўдәряның оң жағасындағы ең сулыў естеликлерден бири есапланады. Жобасы бойынша ол қурамалы конфигурацияға ийе. Оның шығыс тәрепинде туўрымүйешли қорған сақланып қалған. Қорғанның пақса дийўаллары төбеси жупласқан басқышлы аркалар менен тамамланатуғын, бириккен Толық мағлыўмат →

АЯЗ ҚАЛА

Аяз қала (б.е.ш.IV–III әә.) Қарақалпақстаннын ең көркем естеликлериниң бири есапланады. Негизинде бул жерде бир емес, ал Султан Ўәйис таўының түслик тәрепиндеги 100 м бийикликтеги төбениң әтирапында бирлесип турған үш қорған бар. Бул төбеде жайласқан Аяз қала-1, яки «Самалдағы қорған» Қызыл Толық мағлыўмат →

ТОПЫРАҚҚАЛА

Б.Э. I–IV әә. Топыракқала қалашасының көлеми 500х350 м. Төрт мүйешли, қаланың сыртынан ор қазылған, қорған пақсалары менен қоршалған, пақсалардың бийиклиги 8-9 м ге шекем жеткен. Мүйешинде үш минаралы сарай бой тиклеп турған. Қаланың дәрўазасынан басланған көше қаланы екиге бөлип турған, Толық мағлыўмат →

ШЫЛПЫҚ

Б.Э. I–IV әә., Б.Э. IX–XI әә. Шеңбер формасында салынған Шылпық естелиги Нөкис-Беруний автожолының бойында, Нөкистен 43 км қублада, Әмиўдәрьяның оң жағасында, бийиклиги 35-40 м болған тәбийий төбешик үстинде салынған. Шылпықтың диаметри 65–79 м. Дийўаларының бийиклиги 15 м шамасында. Б.Э. II–IV Толық мағлыўмат →

МИЗДАКХАН

Археологиялық- архитектуралық комплекс. Б.Э.Ш. IV ə. – Б.Э.Ш. XIV ә. Әййемги Миздахкан археологиялық-архитектуралық комплекси 200 га дан аслам аймақта, Хожели районының аймағында. Оның тийкарғы бөлеклери Хожели қаласының қубла-батысындағы үш төбешикте жайласқан. Комплекске Гәўир-Қала, Шамун наби, Мазлумхан сулыў, Халифа Ережеп мақбаралары Толық мағлыўмат →

ҚОЙҚЫРЫЛҒАН ҚАЛА

Ибадатхана-обсерватория. БЭШ. IV ә. – б.э. IV ә. Қойқырылған қала диаметри 80 м шеңбер формасында қурылған. Ортасында диаметри 44,4 м еки қабатлы имарат бой көтерип турған. Археологиялық қазыў жумыслары ортадағы имаратың астрономиялық изертлеўлер алып барыў ушын қурылғанлығын көрсетеди. Илимий болжаўларға Толық мағлыўмат →