Жоқарғы Кеңес Баслығы
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
Орынбаев Аманбай Тлеубаевич
Туўылған сəнеси: 17.09.1979
Туўылған жери: Кегейли районы
Миллети: қарақалпақ
Мағлыўматы: жоқары
Оқыў орны:
2002 ж. - Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Академиясы;
2004 ж. - Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Академиясы магистратурасы;
2011 ж. - Өзбекстан Республикасы Стратегиялық анализ ҳәм перспективаны белгилеў Жоқары мектеби
Қəнигелиги: ҳуқықтаныўшы, политолог
Илимий дəрежеси: -
Илимий атағы: -
Шет тиллерин билиўи: рус тили
Қосымша мағлыўматлар Аймақ: Шымбай районы
Сайлаў округи: 56-санлы «Бердақ» сайлаў округи
Комитетке ағзалығы: -
Фракцияға ағзалығы: -
Партиялылығы: -
Мəмлекетлик сыйлықлары: 2013-ж. - «Дўстлик» ордени 2015-ж. - «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист»
МИЙНЕТ ЖОЛЫ
1996-1998-жж. - Кегейли районы қурылыс монтаж басқармасы жумысшысы
1998-2002-жж. - Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги академиясы тыңлаўшысы
2002-2003-жж. - Кегейли районлық Ишки ислер бөлими милиция бөлиминиң жынаят излеў ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў топарының оператив ўәкили
2003-2004-жж. - Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Академиясы магистранты
2004-2006-жж. - Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жынаят излеў ҳәм терроризмге қарсы гүресиў басқармасының аға оператив ўәкили
2006-2009-жж. - Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жеке қурам бойынша арнаўлы инспекциясының оператив ўәкили
2009-2011-жж. - Өзбекстан Республикасы Стратегиялық анализ ҳәм перспективаны белгилеў Жоқары мектебиниң тыңлаўшысы
2011-2012-жж. - Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм нормативлик ҳүжжетлерди таярлаў бөлиминиң үлкен ҳуқық мәсләҳәтшиси
2012-2014-жж. - Әмиўдәрья районлық Ишки ислер бөлими баслығының биринши орынбасары – жынаят излеў ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бөлими баслығы
2014-2016-жж. - Әмиўдәрья районлық Ишки ислер бөлими баслығы
2016-2017-жж. - Нөкис қалалық Ишки ислер бөлими баслығы
2017-2019-жж. - Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жынаят излеў басқармасы баслығы
2019-2020-жж. - Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасары
2020-2021-жж. - Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў бас басқармасы баслығының биринши орынбасары – жәмийетлик тәртипти сақлаўды шөлкемлестириў басқармасы баслығы
2021-2022-жж. - Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жәмәәт қәўипсизлиги департаменти Пробация хызмети баслығы
2022-2022-жж. - Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри
2022-2022-жж. - Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары
2022-жыл 26-августтан - Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы