ХАЛЫҚЛАР ДОСЛЫҒЫ КҮНИ БЕЛГИЛЕНДИ

30-июль – Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди. Видеоконференц байланыс тәризинде өткерилген илажда Нөкис қаласында шөлкемлестирилген студияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Жоқарғы Кеңес депутатлары, ҳүкимет ағзалары, елимизде жасап атырған түрли Толық мағлыўмат →

Таңлаў женимпазы анықланды

27-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссиясының мәжилиси болып өтти. Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниӊ баслығы, Жоқарғы Кеңес жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның баслығы Д.Қурбаниязов ашты ҳәм Толық мағлыўмат →

Халықтың мүрәжатлары менен ислесиў мәселеси додаланды

28-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети менен биргеликте Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 23-июль күни халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын жаңаша шөлкемлестириў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын Толық мағлыўмат →

Сайлаў нызамшылығына киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалардың мазмуны ҳәм әҳмийети талқыланды

Көпшиликке мәлим, 2021-жыл 24-октябрь Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў күни, деп белгиленди. Сайлаў кампаниясына усы жылдың 23-июлинен старт берилди. Бул сиясий мапазды сиясий-ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик жақтан жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен усы жылдың 14-апрелинде тастыйықланған Өзбекстан Республикасы Президенти Толық мағлыўмат →

Зайнаб Дайыбекова Токио Олимпиадасын тарийхый нәтийже менен жуўмақлады

Токио Олимпиадасында қылышпазлық спорт түри бойынша қатнасқан жерлесимиз Зайнаб Дайыбекова сабля бағдарында өткерилген беллесиўлерде япониялы Аоки Чиканы 15:9, қытайлы Яци Шаоны 15:10, кореялы Жисун Юнды 15:12 есабында жеңип, Олимпиаданың шерек финал басқышына дейин жетип барды. Жас спортшымыздың ерискен нәтийжеси мәмлекетимиз Толық мағлыўмат →

100 студент ҳаял-қызлардың бир жыллық шәртнама төлемлери төлеп бериледи

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 19-июль күни қабыл етилген арнаўлы қарары тийкарында жоқары оқыў орынларында шәртнама тийкарында билим алып атырған ата-анасынан ямаса олардыӊ биринен айырылған социаллық қорғаўға мүтәж қызлар ҳәм бағыўшысынан айырылған жалғыз баслы ҳаял-қызларға бир жыллық шәртнама төлемлери Толық мағлыўмат →

ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСТЕ ҚАБЫЛЛАЎ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов 19-июль күни “Diplomatic World” журналы атқарыўшы директоры Барбара Дитрих ҳәм “Diplomatic World Institute” орайы менеджери Альберто Туркстраны қабыллады. Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов мийманларды республикамызға сапары менен қутлықлап, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимизде әмелге Толық мағлыўмат →

Қарақалпақ тилин жəне де раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў бойынша әҳмийетли қарар

2021-жыл 16-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының «Қарақалпақ тилин жəне де раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бәршеге мәлим, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2020-жыл 3-ноябрьдеги «Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайын ҳәм орнын және Толық мағлыўмат →

Қарақалпақстанда «Жаслар оркестри» шөлкемлестирилди

Жасларымыздың көркем өнер ҳәм мәденият тараўына болған қызығыўшылығын еле де арттырыў және қоллап-қуўатлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте жаңа баслама – елимиздеги талантлы жәмлеспеген жаслар арасынан «Жаслар оркестри» шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан Толық мағлыўмат →

БИЛИМЛЕНДИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 30.06.2021-ж. №148/ХХ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ҲАҚҚЫНДА Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы  I бап. Улыўма режелер  1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети билимлендириў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.   2-статья. Билимлендириў ҳаққындағы нызамшылық Билимлендириў ҳаққындағы нызамшылық Толық мағлыўмат →