Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

АВТОМОБИЛЬ ТРАНСПОРТЫ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 01.12.2000-ж. №76/88

АВТОМОБИЛЬ ТРАНСПОРТЫ ҲАҚҚЫНДА

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген 03.03.2006-ж. 78/III -санлы ҚР Нызамы 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети Қарақалпақстан Республикасында автомобиль транспорты жумысының ҳуқықый тийкарларын қәлиплестириўден ибарат болып табылады. 2-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: Автомобиль транспорты қурамына юридикалық ҳәм физикалық тәреплер кириўши экономиканың ҳәм халықтың жолаўшылар, багаж ҳәм жүклерди, соның ишинде почтаны (буннан кейин жолаўшылар, багаж ҳәм жүклер деп алынады) автомобильде тасыўға болған талапларын тәмийинлеўши өндирислик-технологиялық комплекс; Автотранспорт қураллары-жолаўшылар, багаж, жүклер тасыўға ҳәм арнаўлы жумысларды орынлаўға арналған автомобиллер, тиркеме ҳәм ярым тиркемелер; Тасыўшы-мүлк ҳуқықы ямаса басқа да затлық ҳуқықлар тийкарында автотранспорт қуралына ийе болған, коммерциялық тийкарда жолаўшылар, багаж, жүклер тасыў хызметин көрсететуғын ҳәм буған арнаўлы рухсатнамасы (лицензиясы) болған юридикалық ҳәм физикалық тәреп; Қарыйдар (жолаўшы, жүк алыўшы, жүк жөнетиўши) – дүзилген тасыў шәртнамасына муўапық, тасыўшының хызметлеринен пайдаланыўшы юридикалық ҳәм физикалық тәреп. 3-статья. Автомобиль транспорты ҳаққындағы Нызам актлери Автомобиль транспорты ҳаққындағы Нызам актлери усы Нызамнан ҳәм басқа да Нызам актлеринен ибарат. Қала жолаўшыларын тасыў тараўындағы мүнәсибетлер Қарақалпақстан Республикасының «Қалалық жолаўшылар транспорты ҳаққында»ғы Нызамы менен де тәртипке салынады. Жолаўшыларды, багаж ҳәм жүклерди тасыў, ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў қәделери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланады. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының автомобиль транспорты ҳаққындағы нызам актлеринде нәзерде тутылғаннан басқаша қәделер белгиленген болса, халықаралық шәртнама қәделери қолланылады. 4-статья. Автомобиль транспортының меншик түрлери Қарақалпақстан Республикасында автомобиль транспорты жеке ҳәм жәмәәтлик мүлк тийкарында жумыс ислеўи мүмкин. Автомобиль транспортының барлық меншик ийелери тең ҳуқықларға ийе ҳәм нызам тәрепинен теңдей қорғалады. 5-статья. Автомобиль транспорты жерлери Автомобиль транспорты жумысын тәмийинлеў ушын жерлер жер ҳаққындағы нызам актлеринде белгиленген тәртипте турақлы пайдаланыўға бериледи. 6-статья. Автотранспорт қуралларын классификациялаў Автотранспорт қураллары – жолаўшылар автотранспорты, жүк автотранспорты ҳәм арнаўлы автотранспорт қуралларына бөлинеди. Жолаўшылар автотранспорты қуралларына автобуслар, микроавтобуслар, жеңил автомобиллер, жолаўшылар тасылатуғын тиркемелер ҳәм ярым тиркемелер киреди. Жүк автотранспорты қуралларына жүк автомобиллери, сүйреўши автомобиллер, тиркемелер ҳәм ярым тиркемелер киреди. Конструктивлик өзгешеликлерине ҳәм қандай мақсетлерге пайдаланыўына қарай жүк автотранспорты қураллары улыўма ҳәм арнаўлы транспорт қуралларына бөлинеди. Арнаўлы автотранспорт қуралларына ҳәр қыйлы арнаўлы жумысларды, көбирек транспортлық емес жумысларды орынлаўға арналған автомобиллер, тиркемелер ҳәм ярым тиркемелер (өрт өшириў автомобиллери, компрессор қурылма автомобиллер, автокранлар, сыпырыў-тазалаў ҳәм шығынды тасыў автомобиллери ҳәм тағы басқа) киреди. 7-статья. Автомобильде тасыў түрлери Автомобильде тасыўлар қаладағы, қала әтирапындағы, қалалар аралық ҳәм халық аралық тасыўға бөлинеди. Қаладағы тасыўларға қала ямаса қала поселкасы шегараларында әмелге асырылатуғын тасыўлар киреди. Қала әтирапындағы тасыўларға қала ямаса қалалық поселка шегараларынан елиў километрге дейинги узақлықта әмелге асырылатуғын тасыўлар киреди. Қалалар аралық тасыўларға қала ямаса қала поселкасы шегараларына елиў километрден аслам узақлықта әмелге асырылатуғын тасыўлар, сондай-ақ, маршруттың узақлығына қарамастан Өзбекстан Республикасының еки ҳәм оннан аслам ўәлаяты аймағында әмелге асырылатуғын тасыўлар киреди. Халық аралық тасыўларға маршрут узақлығына қарамастан Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик шегарасынан тысқарыға ямаса мәмлекетлик шегара тысқарысындағы әмелге асырылатуғын тасыўлар киреди. 8-статья. Жолаўшылар, багаж ҳәм жүклерди халық аралық тасыў Жолаўшыларды, багаж ҳәм жүклерди автомобильде халық аралық тасыўлар, соның ишинде транзит тасыўлар халық аралық ҳәм транзит байланыс ушын ашық автомобиль жоллары арқалы Өзбекстан Республикасының нызам актлерине ҳәм халық аралық шәртнамаларына муўапық әмелге асырылады. 9-статья. Автомобиль транспорты жумысын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў ҳәм басқарыў Атомобиль транспорты жумысын  мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў, сертификатластырыў, лицензиялаў, салық салыў, социаллық әҳмийетке ийе болған тасыўлар ушын тарифлерди қәлиплестириў, бирден-бир илимий-техникалық сиясатты өткериў жолы менен, сондай-ақ нызам актлеринде нәзерде тутылған басқа да түрлерде әмелге асырылады. Автомобиль транспортының мәмлекетлик басқарыўы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси автомобиль транспортын басқарыў бойынша ўәкиллик берген мәмлекетлик уйымы тәрепинен, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәкимияттың жергиликли уйымлары тәрепинен әмелге асырылады. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тасыўшылардың хожалық жумысына араласыўға, сондай-ақ, олардың эксплуатация хызмети хызметкерлерин басқа жумысларға тартыўға ҳақылы емес, нызам актлеринде нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. 10-статья. Автомобиль транспортын басқарыўшы мәмлекетлик уйымның тикарғы ўәкилликлери Автомобиль транспортын басқарыўшы мәмлекетлик уйымның тийкарғы ўәкилликлери төмендегилерден ибарат: автомобильде тасыўларды шөлкемлестириў ҳәм жетилистириўге байланыслы нормативлик актлерди ислеп шығыў: автомобиль транспортын раўажландырыўдың регионаллық бағдарлары концепциясын ислеп шығыў: республиканың ҳәм халықтың тасыўға болған мәмлекетлик мүтәжликлери болжаўын ислеп шығыў; автомобиль транспорты тараўында бирден-бир инвестиция, илимий-техникалық ҳәм социаллық сиясатты қәлиплестириў ҳәм жүргизиў; автотранспорт хызметлери базарын қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға көмеклесиў; жолаўшылар, багаж ҳәм жүклер тасыўды лицензиялаўды шөлкемлестириў ҳәм жетилистириў; тасыўшылар ҳәм қарыйдарлардың ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў; кадрларды оқытыў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириў; автомобиль транспорты ҳаққындағы нызам актлерине бойсыныўды қадағалаў; автомобиль транспорты тараўында халық аралық бирге ислесиўди әмелге асырыў. Автомобиль транспортын басқарыўшы мәмлекетлик уйым нызам актлерине муўапық басқа да ўәкилликлерге ийе болыўы мүмкин. 11-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият жергиликли уйымларының тийкарғы ўәкилликлери Мәмлекетлик ҳәкимият жергиликли уйымларының автомобиль транспорты тараўындағы тийкарғы ўәкилликлери төмендегилердин ибарат: автомобиль транспортын раўажландырыўдың комплексли регионаллық бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў; автотранспорт хызметлери базарын қәлиплестириў, раўажландырыў ҳәм барлық тасыўшылардың жумысы ушын тең шараятлар жаратыўға көмеклесиў; автомобиль транспортының материаллық-техникалық ҳәм социаллық тийкарын беккемлеўге көмеклесиў. Мәмлекетлик ҳәкимият жергиликли уйымлары нызам актлерине муўапық автомобиль транспорты тараўында басқа да ўәкилликлерге ийе болыўы мүмкин. 12-статья. Автотранспорт қуралларын стандартластырыў, метрологиялық тәмийинлеў ҳәм сертификатластырыў Автотранспорт қураллары қәўипсизлик, мийнетти қорғаў, экология талаплары, сондай-ақ, стандартлар ҳәм техникалық шәртлерге, медициналық-санитариялық ҳәм өртке қарсы нормаларға муўапықлық сертификатына ийе болыўы шәрт. Автотранспорт қуралларын стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў жумысларын шөлкемлестириў, муўапықластырыў ҳәм тәмийинлеў, Қарақалпақстан сынаў ҳәм сертификациялаў орайы және басқа да мәмлекетлик уйымлары тәрепинен нызам актлерине муўапық әмелге асырылады. (ҚР ЖК 03.03.2006-ж. 78/III-санлы Қарарына тийкар өзгерислер киритилген) Сертификатластырыўдан өтпеген ҳәм белгиленген тәртипте дизимге алынбаған автотранспорт қуралларынан пайдаланыўға жол қойылмайды. 13-статья. Автомобильде тасыўды лицензиялаў Автомобильде тасыўлар тасыўшылар тәрепинен арнаўлы рухсатнама (лицензия) тийкарында әмелге асырылады. 14-статья. Автотранспорт қуралын басқарыў ҳуқықы Автотранспорт қуралын басқарыў ҳуқықы тийисли маманлыққа ийе болған ҳәм медициналық тексериўден өткен физикалық шахсқа бериледи. Автотранспорт қуралын басқарыў ҳуқықы белгиленген үлгидеги ҳүжжет пенен тастыйықланады. Денсаўлығына байланыслы автотранспорт қуралын басқарыўға жарамлы ямаса жарамсыз екенлигин Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленеди. Автотранспорт қуралларын басқарыў бойынша маманлық талаплары нызам актлери менен белгиленеди. 15-статья. Жолаўшылар, багаж ҳәм жүклер тасыў шәртнамасы Жолаўшыларды, багаж ҳәм жүклерди тасыў шәртлери тәреплердиң жуўапкершилигин нәзерде тутыўшы тасыў шәртнамасы тийкарында әмелге асырылады. Жолаўшыларды, багаж ҳәм жүклерди тасығанлығы ушын тасыў шәртнамасында белгиленген ҳақы алынады. Нызам актлерине муўапық автомобильде тасыўлардың айырым түрлери ушын мәмлекетлик ҳәкимияттың жергиликли уйымлары тәрепинен тәртипке салыўшы тарифлер белгилениўи мүмкин. Тәртипке салыўшы тарифлер бойынша тасыўларға байланыслы тасыўшылардың қәрежетлерин қаплаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен белгиленген тәртипте тийисли жергиликли бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылады. Тасыўшылардың нызам актлерине муўапық жеңилликлер белгиленген, соның ишинде тегин жүриў ҳуқықы берилген пуқаралардың айырым қатламларын тасыў менен байланыслы қәрежетлер мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан белгиленген тәртипте қапланады. Автомобиль транспортында жолаўшылар, багаж ҳәм жүклерди темир жол, теңиз, дәрья, ҳаўа транспорты ҳәм транспорттың басқа да түрлери менен өз-ара биргеликте тасыў бирден-бир транспорт ҳүжжетинен ҳәм сондай тасыўды шөлкемлестириў тәртибинен пайдаланған ҳалда әмелге асырылып атырған пайытта жүзеге келетуғын мунәсибетлер тасыўшылар арасындағы келисим менен тәртипке салынады. Халыққа автотранспорт хызметин көрсетиўши автовокзаллар ҳәм жолаўшылар бәндиргилерин қурыў, тасыўшылар, мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызам актлеринде қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан әмелге асырылады. 16-статья. Айрықша жағдайлардағы автомобиль транспортының жумысы Айрықша жағдайлар (жер силкиниў, суў тасқыны, өрт, эпидемия ҳәм басқа тәбийий апатшылықлар) пайда болған жағдайда тасыўшылар ҳәм қарыйдарлар арасындағы шәртнама мүнәсибетлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ямаса мәмлекетлик ҳәкимияттың жергиликли уйымларының қарарына муўапық тәбийий апатшылықлар ямаса олардың ақыбетлерин сапластырыў дәўиринде тоқтатылып турылыўы мүмкин. Тасыўшылардың айрықша жағдайларда, сондай-ақ, мобилизациялық таярлық жағдайларын, пуқаралық қорғаныў ҳәм авариялық-қутқарыў жумысларына байланыслы илажларды тәмийинлеў менен байланыслы тасыўларды әмелге асырыў бойынша шығынлар мәмлекетлик бюджеттен өтеледи. 17-статья. Тасыўшының ҳуқықлары Тасыўшы төмендеги ҳуқықларға ийе: Улыўма пайдаланыўдағы барлық автомобиль жоллары, сондай-ақ, мәкемелерге қараслы улыўма пайдаланыў ушын ашық автомобиль жоллары арқалы өтиў; жөнелтип атырған жүк өз сертификатына муўапық екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди алыў: пуқаралардың өмирине, жол ҳәрекети қәўипсизлигине қәўип туўдырыўшы, экология ҳәм санитария нормалары бузылыўына ямаса басқа да нызамсыз ҳәрекетлерге себеп болыўшы жағдайларда тасыўдан бас тартыў. Тасыўшы нызам актлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. 18-статья. Тасыўшының миннетлери Қарыйдарға хызмет көрсетиў барысында тасыўшы: тасыў ҳуқықын бериўши лицензияға ийе болыў; сертификатқа ийе, дизимге алынған иске жарамлы транспорт қуралларынан пайдаланыў; тасыў шәртнамасы шәртлерине бойсыныў; жолаўшыларды, багаж ҳәм жүклер тасыўдың белгиленген қәделерине бойсыныў; жолаўшыны, багаж ямаса жүкти тийисли жерге тасыў шәртнамасында белгиленген мүддетте жеткерип бериў. Егер жеткерип бериў мүддети тасыў шәртнамасында белгиленбеген ҳәм нәзерде тутылмаған болса, жеткерип бериў ақылға муўапық мүддетлерде әмелге асырылыўы; жолаўшының қәўипсизлигин, хызмет көрсетиўдиң зәрүр қолайлықлары ҳәм шәртлериниң тәмийинлениўи; багаж ҳәм жүклердиң тасыўға қабыл етип алынған ўақыттан баслап алыўшыға берилгенге шекем сақланыўын тәмийинлеў; жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳәм қоршап турған орталықты қорғаў қәделерине бойсыныўды тәмийинлеў; тасыўшы тасыўды даўам еттириўден бас тартқан жағдайда қарыйдар көрген зыянды қаплаў; автомобильде тасыўлар бойынша белгиленген тәртипке муўапық есапқа алыў ҳәм есап бериў жумысларын жүргизиў; нызам актлеринде нәзерде тутылған басқа да ўазыйпаларды орынлаўы шәрт. 19-статья. Қарыйдардың ҳуқықлары Қарыйдар төмендеги ҳуқықларға ийе: тасыўшы ҳаққында зәрүр болған мағлыўматты алыў; тасыўшыны еркин таңлаў ҳәм тасыў ушын шәртнама дүзиў; қәделерде ямаса тасыў шәртнамасында белгиленген тәризде тасыўшы тәрепинен өз ўақтында ҳәм сапалы хызмет көрсетиўден пайдаланыў; тасыў себепли келтирилген зыянды ҳәм мораллық зәлелди нызам актлерине муўапық төлеттириў ҳәм қаплатыў; тасыў шәртнамасында көрсетип өтилген шәртлер тасыўшы тәрепинен бузылған жағдайда хызметлер көрсетилиўден бас тартыў; өз ҳуқықлары бузылған жағдайда ўәкилликли мәмлекетлик уйымларына ямаса судқа мүрәжат етиў; нызам актлеринде нәзерде тутылған басқа да ҳуқықлардан пайдаланыў. Жолаўшыларды тасыў пайытында жолаўшы төмендеги ҳуқықларға да ийе: жолаўшылар тасыў ушын ашық болған ҳәрқандай бағдарға билет сатып алыў, билетте белгиленген орынды ийелеў; қала ҳәм қала әтирапы маршрутларындағы автобусларда жети жасқа дейин болған балаларды өзи менен тегин алып жүриў; қалалар аралық ҳәм халық аралық маршрутлардағы автобуста бес жасқа дейинги болған бир баланы өз алдына орын берилмеген ҳалда тегин алып жүриў, бес жастан он жасқа дейин болған бала ушын өз алдына орын берилген ҳалда билеттиң толық баҳасының елиў процентин төлеп, билет сатып алыў ҳәм он жасқа дейин болған еки ямаса екеўден артық бала алып жүрилгенде олардан бири тегин алып жүриледи, қалғанлары ушын өз алдына орын берилген ҳалда билеттиң толық баҳасының елиў процентин төлеп, билет сатып алынады; қала ҳәм қала әтирапы маршрутларында 20 килограммнан аспайтуғын аўырлықтағы багажды, қалалар аралық ҳәм халық аралық маршрутларда – белгиленген өлшемлердеги багаждың бир орнын өзи менен бийпул, көрсетип өтилген нормалардағыдан артық багажды – ҳақы төлеп алып жүриў; тасыў басланбастан алдын билетти тапсырыў ҳәм оның ушын төленген ақшаны қайтарып алыў; Төленген ақшаның тасыўшы тәрепинен қайтарылыў тәртиби нызам актлери менен белгиленеди; Жолаўшыларды тасыўшы рейслер кешиккен ямаса бийкарланған жағдайда келтирилген зыянды ҳәм мораллық зәлелди нызам актлерине муўапық төлетиў ҳәм қаплатыў; Усы статьяның екинши бөлегиниң үшинши ҳәм төртинши абзацларында берилген жеңилликлерди енгизиў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен белгиленген тәртипте тасыўшының қаржылары есабынан әмелге асырылады. 20-статья. Қарыйдардың миннетлери Қарыйдар: тасыў шәртнамасы шәртлерине бойсыныўы; тасыў қәделеринде өзине қойылған талапларды орынлаўы; тасылып атырған жүктиң тасыў шәртнамасына муўапықлығын тастыйықлаўшы зәрүр ҳүжжетлерди тасыўшының талабына муўапық тапсырыўы; автотранспорт қуралларының тасылыўы шәрт болған жүк ямаса багаж жанына биймәлел ҳәм қәўипсиз кирип бара алыўын тәмийинлеўи; нызам актлеринде нәзерде тутылған басқа да ўазыйпаларды орынлаўы шәрт. 21-статья. Тасыў шәртнамасынан келип шығатуғын ўазыйпалар бойынша жуўапкерлик Тасыў шәртнамасынан келип шығатуғын ўазыйпаларды орынламаған ямаса тийисли дәрежеде орынламаған жағдайда, тәреплер нызам актлерине муўапық жуўапкер болады. Тәреплердиң нызамда белгиленген жуўапкерликти шеклеў ямаса бийкарлаў ҳаққындағы келисими ҳақыйқый емес. 22-статья. Жүк ямаса багаж жойтылған, кемис шыққан ямаса зыянланған (бузылған) жағдайларда тасыўшының жуўапкерлиги Егер тасыўшы жүк ямаса багаждың жойтылыўы, кемис шығыўы ямаса зыянланыўында (бузылыўында) өзиниң айыбы жоқлығын дәлиллей алмаса, тасыў ушын қабыл етип алған жүк ямаса багаж жойтылғанлығы, кемис шыққанлығы ямаса оларға зыян келгенлиги (бузылғанлығы) ушын жуўапкер болады. Жүк ямаса багажды тасыў ўақтында келтирилген зәлел жойтылған, кемис шыққан ямаса зыянланған (бузылған) жүк ямаса багаждың қуны, сондай-ақ тасыўшы жоғалған, кемис шыққан ямаса зыянланған (бузылған) жүк ямаса багажды жеткерип бериў ушын қарыйдардан алған кирей ҳақы баҳасы муғдарында, егер бул кирей ҳақы жүк ямаса багаждың баҳасына кирмесе, тасыўшы тәрепинен өтеледи. Қарыйдар тасыўшыдан жүк жоғалғаны, кемис шыққанлығы ямаса зыянланғанлығы (бузылғанлығы) себепли келтирилген басқа да зәлеллер өтелиўин талап етиўге ҳақылы. 23-статья. Тасыўшының жүк тасыў ушын автотранспорт қуралын бермегенлиги ямаса өз ўақтында бермегенлиги ушын жуўапкерлиги тасыўшы тасыў шәртнамасына муўапық жүк тасыў ушын автотранспорт қуралын бермегенлиги ямаса өз ўақтында бермегенлиги ушын нызам актлерине муўапық жуўапкер болады. Егер автотранспорт қуралын бермегенлиги ямаса өз ўақтында бермегенлиги жеңип болмас күш, әскерий ҳәрекетлер белгили бағдарда жүк тасыў тоқтатып ямаса шеклеп қойылғанлығы себепли жүз берген болса, тасыўшы нызам актлеринде белгиленген тәртипте жуўапкершиликтен азат етиледи. 24-статья. Жүк тасыў ушын тасыўшы тәрепинен берилген автотранспорт қуралынан пайдаланбағанлығы ушын қарыйдардың жуўапкерлиги Жүк тасыў ушын тасыў шәртнамасына муўапық берилген автотранспорт қуралынан пайдаланбағанлығы ушын қарыйдар нызам актлеринде белгиленген тәртипте жуўапкер болады. Егер бул жеңип болмас күш, әскерий ҳәрекетлер, белгили бағдарда жүк тасыў тоқтатып ямаса шеклеп қойылғанлығы себепли жүз берген болса, қарыйдар нызам актлеринде белгиленген тәртипте жуўапкершиликтен азат етиледи. 25-статья. Жолаўшыны жөнетип жибериў кешиктирилгени ушын тасыўшының жуўапкерлиги Жолаўшыларды тасыў ушын автотранспорт қуралын жөнетиў кешиктирилген ямаса ол белгиленген мәнзилге кешигип келген жағдайда (қала ҳәм қала әтирапында тасыўлар буған кирмейди), тасыўшы, егер кешиктирип ямаса кеш жетип барыў тасыўшыға байланыслы болмаған жағдайлар себепли жүз бергенлигин дәлиллей алмаса, жолаўшыға жәрийма сыпатында неустойка төлейди ҳәм оны төлеў тәртиби нызам актлери менен белгиленеди. Жолаўшыға жәрийма төлеў тасыўшыны автотранспорт қуралы кешиктирилиўи ямаса кеш жетип барыўы себепли жолаўшы көрген зәлелди оған төлеўден азат етпейди. Автотранспорт қуралы кешиктирилгенлиги себепли жолаўшы онда жөнеўден бас тартқан жағдайда, тасыўшы жолаўшыға кирей ҳақыны ҳәм ол сарыплаған басқа да қәрежетлерди қайтарыўы шәрт. 26-статья. Жолаўшының өмири ямаса денсаўлығына зыян келтиргени ушын тасыўшының жуўапкерлиги Тасыўшы тасыў пайытында жолаўшының өмири ямаса денсаўлығына зыян келтиргени ушын, егер ол зыян жәбирлениўшиниң қасты ямаса жеңип болмас күш себепли жүз бермегенлигин дәлиллей алмаса, жуўапкер болады. Жолаўшының өмири ямаса денсаўлығына зыян келтирилгенлиги ушын тасыўшының жуўапкерлиги нызам актлери менен белгиленеди. 27-статья. Қарыйдардың зәлел келтиргени ушын жуўапкерлиги Қарыйдар өзиниң айыбы менен басқа адамларға, тасыўшының ҳәм басқа адамлардың тасыўшы жуўапкер болған мүлкине келтирилген зәлел ушын жуўапкер болады. Жүк жөнетиўши транспорт ҳүжжетлеринде көрсетилген мағлыўматлар надурыслығы, анық емеслиги ямаса толық емеслиги себепли жүзеге келиўи мүмкин болған барлық зәлел ушын тасыўшы ҳәм үшинши тәреплер алдында жуўапкер болады. 28-статья. Жолаўшылар, багаж ҳәм жүклерди қамсызландырыў Жолаўшылар халық аралық ҳәм қалалар аралық автомобиль транспортынан пайдаланғанда мәжбүрий жеке қамсызландырыў ислениўи шәрт. Мәжбүрий жеке қамсызландырыў тәртиби нызам актлери менен белгиленеди. Жолаўшылардың өмирин, денсаўлығын ықтыярлы қамсызландырыў, сондай-ақ багаж ҳәм жүклерди қамсызландырыў тийисли қамсызландырыў шәртнамалары тийкарында нызам актлерине муўапық әмелге асырылады. 29-статья. Автомобиль транспортында қәўипсизлик ҳәм экология нормаларын тәмийинлеў Тасыўшы жолаўшыларды, багаж ҳәм жүклерди тасыў, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығын, ҳәрекет қәўипсизлигин ҳәм қоршап турған орталықтың қорғалыўын тәмийинлеўи тийис. Автотранспорт кәрханалары, автовокзаллар, авто бәндиргилердиң транспорт қураллары ҳәрекети ҳәм жүк тийеў-түсириў жумыслары әмелге асырылатуғын орынлары жүдә қәўипли зоналар болып есапланады. Жүдә қәўипли зоналарда болыў ҳәм онда жумысларды әмелге асырыў қәделери нызам актлери менен белгиленеди. Зәҳәрлеўши, жарылыўшы, өртенгиш, радиоактив, зәҳәрли ҳәм басқа да қәўипли жүклер тек ғана бундай жүклерди тасыў қәделерине муўапық тасылыўы шәрт. Қарыйдар ҳәм тасыўшы олардың қәўипсиз тасылыўын, тийелиўи ҳәм түсирип алыныўын тәмийинлеўи шәрт. Қәўипли жүклерди қорғаў ҳәм гүзетип барыў жүкти жөнетиўшилер ямаса алыўшылар тәрепинен толық жол даўамында тәмийинленеди. 30-статья. Даўларды шешиў Тасыўшы ҳәм қарыйдар арасында пайда болатуғын даўлар суд тәртибинде шешиледи. 31-статья. Автомобиль транспорты ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик Автомобиль транспорты ҳаққындағы нызам актлериниң бузылыўында айыпкер болған адамлар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.