Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ӨСИМЛИКЛЕР КАРАНТИНИ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ ӨСИМЛИКЛЕР КАРАНТИНИ ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакцияда)

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы

I бап. Улыўма режелер

1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети өсимликлер карантини тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Өсимликлер карантини ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Өсимликлер карантини ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳәм басқа нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының өсимликлер карантини ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, онда халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: карантин астындағы өним - өсимликлер карантини объектлерин тасыўшылар болыўы мүмкин болған өсимликлер, олардың бөлеклери, егис материаллары, қайта ислеў өними, басқа өним ҳәм жүклер; карантин рухсатнамасы - карантин астындағы өнимди белгиленген тәртипте Қарақалпақстан Республикасы аймағына алып кириўге ямаса оның аймағынан транзит тәризде алып өтиўге рухсат берилгенлигин тастыйықлайтуғын, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен берилген ҳүжжет; карантин шеклеўлери - карантин астындағы өнимди шет еллерден алып кириўди, шет еллерге алып шығыўды, тасыўды ҳәм олардан пайдаланыўды өсимликлер карантини объектлери тарқалыўының алдын алыў мақсетинде белгиленген мүддетке шеклеўши фитосанитария илажлары; өсимликлер карантини - аўыл хожалығына ҳәм басқа өсимликлер дүньясына зыян келтириўи мүмкин болған өсимликлер карантини объектлери кирип келиўиниң, тарқалыўының алдын алыўға ҳәмде бундай объектлерди сапластырыўға қаратылған илажлар жыйындысы; өсимликлер карантини объекти - дүньяда карантин әҳмийетине ийе болған, Қарақалпақстан Республикасы аймағында болмаған ямаса шекленген тәризде тарқалған зыянлы организмлер; өсимликлер карантини объектлерин тасыўшылар - өсимликлер карантини объектлериниң тарқалыўына қолайлылық жаратыўы мүмкин болған транспорт қураллары, аўыл хожалығы  машиналары, жерге ислеў бериў қураллары, ыдыслардың барлық түрлери, айырым санаат товарлары, қадақлаў қураллары, сондай-ақ өсимлик өнимлеринен таярланған буйымлар, монолит таслар, топырақ үлгилери ҳәм (ямаса) басқа объектлер; фитосанитария сертификаты - карантин астындағы өнимде өсимликлер карантини объектлери жоқ екенлигин тастыйықлаўшы халықаралық үлгидеги ҳүжжет; фумигация - өсимликлер карантини объектлерин ҳәм басқа зыянлы организмлерди жоқ етиў мақсетинде оларды химиялық препаратлардың газлери менен зыянсызландырыў. 4-статья. Фитосанитария талаплары Карантин астындағы өнимге, оны алып кириўге, алып шығыўға, ислеп шығарыўға, қайта ислеўге, сақлаўға, тасыўға, реализация етиўге ҳәм жоқ етиўге қаратылған талапларды белгилейтуғын, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен орынланыўы шәрт болған ҳүжжетлер фитосанитария талаплары есапланады. Фитосанитариялық талаплар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы (буннан кейин текстте Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы деп жүритиледи) тәрепинен тастыйықланады. Фитосанитариялық талаплар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинен мәжбүрий тәртипте ҳуқықый экспертизадан өткериледи ҳәм унамлы жуўмақ алынғаннан кейин есапқа қойылады. Фитосанитариялық талаплар, егер ҳүжжетлердиӊ өзинде кешрек мүддет көрсетилмеген болса, рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди. (ҚР ЖК 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)

II бап. Өсимликлер карантини тараўын тәртипке салыў

5-статья. Өсимликлер карантини тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары Өсимликлер карантини тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат: өсимликлер карантини тараўындағы илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў; өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў; сыртқы ҳәм ишки өсимликлер карантини бойынша илажлар системасын әмелге асырыў; өсимликлер карантини тараўында фитосанитариялық  қәўипсизликти тәмийинлеў; өсимликлер карантини тараўында нәтийжели мониторинг алып барыў системасын ислеп шығыў. 6-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер  Кеңесиниң өсимликлер карантини тараўындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер  Кеңеси: өсимликлер карантини тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлейди; өсимликлер карантини тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәмде әмелге асырыўда қатнасады; өсимликлер карантини тараўындағы аймақлық бағдарламаларды тастыйықлайды ҳәм әмелге асырады; мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының өсимликлер карантини тараўындағы жумысын муўапықластырады; өсимликлер карантини тараўындағы ҳүжжетлерди, тийкарынан, транспорт бирликлерин ашыў ҳаққындағы актти, карантин көриги актын, фитосанитария сертификатын ҳәм ишки фитосанитария сертификатын бериў тәртибин белгилейди; өсимликлер карантини тараўындағы мониторингти әмелге асырыў тәртибин белгилейди; Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини бас мәмлекетлик инспекторының усынысына муўапық қала ҳәм районлар аймақларын өсимликлер карантини астында деп жәриялайды ҳәмде зәрүрли карантин шеклеўлерин орнатады. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. 7-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының өсимликлер карантини тараўындағы ўәкилликлери Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары: өсимликлер карантини тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасады; өсимликлер карантини тараўындағы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторларының усынысларына муўапық тийисли аймақларды өсимликлер карантини астында деп жәриялайды ҳәм зәрүрли карантин шеклеўлерин орнатады; өсимликлер карантинине байланыслы илажларды өткериўде мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының аймақлық бөлимлери жумысын муўапықластырады. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. 8-статья. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралардың өсимликлер карантинине байланыслы илажларды өткериўдеги қатнасы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары: өсимликлер карантини тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳәм басқа да бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасады; тийисли аймақта өсимликлер карантини тараўында жәмийетшилик қадағалаўды әмелге асырады; тийисли аймақ халқын өсимликлер карантини объектлери тарқалғанлығы ҳаққында хабарландырыўда өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторларына көмеклеседи. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да илажларды өткериўде  қатнасыўы мүмкин. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм пуқаралар Қарақалпақстан Республикасы аймағын өсимликлер карантини объектлериниң кирип келиўинен ямаса тарқалыўынан қорғаўда (фитосанитарлық қәўипсизлиги) мәмлекетлик ҳәм басқада уйымларға зәрүрли жәрдем көрсетиўи мүмкин.

 II бап. Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет системасы ҳәм оған басшылық етиў

9-статья. Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет системасы Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет системасын: Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы; автомобиль жолларындағы, темир жол станцияларындағы, аэропортлардағы өсимликлер карантини шегара пунктлери ҳәм почтамтдағы өсимликлер карантини пункти қурайды. Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы - Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик  инспекциясына, сондай-ақ, тийислилигинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине бойсынады. Қала ҳәм районлардың өсимликлер карантини мәмлекетлик  инспекторлары, автомобиль жолларындағы, темир жол станцияларындағы, аэропортлардағы өсимликлер карантини шегара пунктлери ҳәм почтамтдағы өсимликлер карантини пункти тийислилигинше жоқары турыўшы өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекцияларына бойсынады. 10-статья. Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызметине басшылық етиў Қарақалпақстан Республикасының өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызметине басшылықты Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы әмелге асырады. Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының баслығы - Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен тийислилигинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кенесиниң усынысына муўапық лаўазымға тайынланады ҳәмде лаўазымнан босатылады. Қала ҳәм районлардың өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторлары Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәмде лаўазымнан босатылады. Автомобиль жолларындағы, темир жол станцияларындағы, аэропортлардағы өсимликлер карантини шегара пунктлериндеги ҳәм почтамтдағы өсимликлер карантини пунктиндеги өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызметине өсимликлер карантини тийисли шегара пунктлериниң Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан босатылатуғын баслықлары басшылық етеди.  11-статья. Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы: карантин астындағы өнимди сақлаў, қайта ислеў, реализациялаў, қабыл етиў пунктлери жайласқан жерлерди ҳәм оларға тутас аймақларды, аўыл хожалығына арналған жерлерди, тоғай қорының, қорғалатуғын тәбийий аймақлардың жерлерин өсимликлер карантини объектлерин өз ўақтында анықлаў мақсетинде қадағалаў тексериўлеринен өткериўди шөлкемлестиреди; анықланған зыянланыў ошақларының кеңейиўине жол қоймаў ҳәм оларды сапластырыў, сондай-ақ өсимликлер карантини объектлерин алып кириў жолларын анықлаў ҳәмде тосыў бойынша қыстаўлы илажлар көреди; фитосанитария сертификатын, ишки фитосанитария сертификатын, реэкспорт ушын фитосанитария сертификатын, транспорт бирликлерин ашыў ҳаққындағы актти ҳәм карантин көриги актин береди; шет еллерден келетуғын карантин астындағы өнимди саламатландырыў ҳәм зыянсызландырыў, сондай-ақ транспорт қуралларын зыянсызландырыў үстинен қадағалаўды әмелге асырады; тийисли аймақты өсимликлер карантини астында деп жәриялаў (карантинди бийкарлаў), зәрүр карантин шеклеўлерин қолланыў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, қала ҳәм районлар ҳәкимликлерине усыныслар жибереди. Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. 12-статья. Қарақалпақстан Республикасы шегарасындағы өсимликлер карантини пунктлери Қарақалпақстан Республикасының бажыхана аймағына алып кирилетуғын карантин астындағы өнимди (соның ишинде транзит жүклерди) тексериў өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторлары тәрепинен өсимликлер карантини шегара пунктлеринде өткериледи. Өсимликлер карантини шегара пункти Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик шегарасы пунктинде, ишки аймақлараралық шегара пунктлеринде шөлкемлестириледи ҳәмде мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан ханалар менен, тексериўлер өткериў ҳәм үлгилер алыў, фитосанитария экспертизасын ҳәм фумигация жумысларын әмелге асырыў ушын үскенелер, байланыс қураллары ҳәм интернет тармағы менен тәмийинленеди. Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторы фитосанитария сертификатының қәлбекилигин, белгиленген талапларға муўапық емеслигин анықлаған ямаса карантин астындағы өнимлерде өсимликлер карантини объектлери барлығы ҳаққында гүман болған жағдайда, усы карантин астындағы өним өсимликлер карантини тийисли шегара пунктинде услап турылады ҳәм бул ҳаққында Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясына хабар бериледи.  13-статья. Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторлары Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының баслығы Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини бас мәмлекетлик инспекторы есапланады. Қала ҳәм районлардың өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторлары өз жумысын тийисли аймақта әмелге асырады. Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының агрономлары, автомобиль жолларындағы, темир жол станцияларындағы, аэропортлардағы, өсимликлер карантини шегара пунктлериниң, сондай-ақ почтамтдаги өсимликлер карантини пунктиниң баслықлары ҳәм агрономлары, өсимликлер карантини объектлерине қарсы гүресиў бойынша арнаўлы фумигация бөлимлериниң баслықлары ҳәм қәнигелери өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторлары болып есапланады. 14-статья. Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторларының ҳуқықлары Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторлары өз ўәкиллиги шеңберинде төмендеги ҳуқықларға ийе: карантин астындағы өнимди жетистириў, таярлаў, сақлаў, тасыў, қайта ислеў ҳәмде реализациялаў менен шуғылланыўшы мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлардың, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың аймағына иркинишсиз кириўге; өсимликлер карантини қағыйдалары ҳәм фитосанитария талапларының бузылыўларын сапластырыў ҳәмде олардың алдын алыў бойынша орынланыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизиўге; лаборатория тексериўлери ҳәм тийисли экспертиза өткериў ушын карантин астындағы өнимнен үлгилер алыўға; өсимликлер карантини объектлери анықланғанда өсимликлер карантини қағыйдаларына муўапық карантин шеклеўлерин орнатыўға, алып кирилген карантин астындағы өнимди иркип турыўға, алып қойыўға ямаса қайтарып жибериўге; кирип келип атырған ҳәм жиберилип атырған, усы Нызамның 18-статьясына муўапық өсимликлер карантинине тийисли илажлар қолланылатуғын жүклер ҳаққында бажыхана уйымларынан, темир жол станцияларының, автовокзаллардың (автостанциялардың), аэропортлардың, (пристаньларының), почтамтлардың, дийқан базарлардың ҳәм басқада шөлкемлердиң ҳәкимшилигинен мағлыўматлар талап етиўге; зәрүр болған жағдайда карантин астындағы өнимди көзден кешириў ҳәм зыянсызландырыў жумысларын әмелге асырыў ушын жәрдемши жумысшылар, хызмет ханалары ҳәм жәрдемши материаллар берилиўин жүклердиң ийелеринен талап етиўге. Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин. 15-статья. Өсимликлер карантини мәмлекетлик  инспекторларының миннетлемелери Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторлары: өсимликлер карантини объектлериниң өсимликлер карантини объектлери бар болмаған аймаққа кирип келиўиниң алдын алыў бойынша зәрүрли илажлар көриўи; өсимликлер карантини объектлерине диагноз қойыў мақсетинде лаборатория тексериўлери ҳәм басқа тексериўлер өткерилиўин шөлкемлестириўи; тийисли уйымлар ҳәм шөлкемлерди шегараалды аймақларда, қоңсы мәмлекетлерде пайда болған карантин жағдайы ҳаққында хабарландырыўы, өсимликлер карантинине байланыслы илажларды әмелге асырыў ҳәмде зәрүр усыныслар бериўи; мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларына, юридикалық ҳәм физикалық шахсларға зәрүр фитосанитария талапларын орынлаў ҳаққында усыныслар жибериў; өсимликлер карантини қағыйдаларына муўапық емеслиги ҳәм фитосанитария талаплары бузылғанлығы фактлери анықланғанда темир жол вагонларынан, самолётлардан ҳәм басқа транспорт қуралларынан пайдаланыўға байланыслы қадаған орнатыўы шәрт. Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторларының жуўапкерлигинде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа миннетлер де болыўы мүмкин.

IV боб. Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың өсимликлер карантини тараўындағы ҳуқық ҳәм меннетлемелери

16-статья. Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың өсимликлер карантини тараўындағы ҳуқықлары Карантин астындағы өнимди жетистириў, таярлаў, сақлаў, тасыў, қайта ислеў ҳәмде реализациялаў менен шуғылланыўшы мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары, юридикалық ҳәм физикалық шахслар төмендеги ҳуқықларға ийе: зәрүр жағдайларда, өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет ўәкиллери менен биргеликте өсимликлер карантини қағыйдалары ҳәм фитосанитария талаплары сөзсиз орынланыўын тәмийинлеўши илажлар комплексин ислеп шығыў; өсимликлер карантини объектлерин анықлаў ушын өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызметинен карантин астындағы өнимди сақлаў, қайта ислеў, реализациялаў ҳәм қабыллаў пунктлери жайласқан жерлерди, оларға тутас аймақларды, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди, тоғай қоры ҳәм қорғалатуғын тәбийий аймақлардың жерлерин қадағалаў тексериўлеринен өткериўди талап етиў; өсимликлер карантини объектлери толық жоқ етилгеннен  кейин өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызметине ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына карантин шеклеўлерин бийкарлаў бойынша усыныслар киргизиў. Карантин астындағы өнимди жетистириў, таярлаў, сақлаў, тасыў, қайта ислеў ҳәмде реализациялаў менен шуғылланыўшы мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары, юридикалық ҳәм физикалық шахслар нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин. 17-статья. Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы  уйымларының, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың өсимликлер карантини тараўындағы миннетлемелери Карантин астындағы өнимди жетистириў, таярлаў, сақлаў, тасыў, қайта ислеў ҳәмде реализациялаў менен шуғылланыўшы мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары, юридикалық ҳәм физикалық шахслар: өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмети қадағалаўы астында тексериўге (көзден өткериўге) ҳәм өсимликлер карантини объектлерине қарсы гүресиўге байланыслы жумысларды, сондай-ақ усы карантин объектлери тарқалыўының алдын алыўға байланыслы илажларды әмелге асырыўы; белгиленген тәртипте карантин рухсатнамасы ҳәм (ямаса) ишки фитосанитария сертификаты алынбаған карантин астындағы өнимди қабылламаўы; шет еллерден ҳәм Өзбекстан Республикасының өсимликлер карантини астында деп жәрияланған аймақларынан карантин астындағы өнимди алып кириўде өсимликлер карантини қағыйдаларына әмел етиўи; тийисли жүклер сақланатуғын қоймаханаларда ҳәр жылы кеминде бир мәрте профилактикалық фумигация жумысларын белгиленген тәртипте әмелге асырыўы шәрт. Карантин астындағы өнимди жетистириў, таярлаў, сақлаў, тасыў, қайта ислеў ҳәмде реализациялаў менен шуғылланыўшы мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары, юридикалық ҳәм физикалық шахслар жуўапкершилигинде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа миннетлер де болыўы мүмкин. Аўыл хожалығы өсимликлери, дәрилик өсимликлер, терек ҳәм путалар жетистириў, өсимликлердиң жаңа сортлары селекциясы менен шуғылланыўшы юридикалық ҳәм физикалық шахслар өсимликлер карантини объектлерин өз ўақтында анықлаў мақсетинде егинлер ҳәм тереклерди системалы рәўиште бақлап барыўды әмелге асырыўы, олар анықланған болса бул ҳаққында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын, өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызметин дәрҳал хабарландырыўы, сондай-ақ анықланған өсимликлер карантини объектлерин сапластырыў бойынша илажлар көриўи шәрт.

 V бап. Өсимликлер карантинине байланыслы илажлар ҳәм оларды әмелге асырыў

18-статья. Өсимликлер карантинине байланыслы илажлар Өсимликлер карантинине байланыслы илажлардың мақсети өсимликлер карантини объектлериниң шет еллерден, сондай-ақ мәмлекетимиздиң өсимликлер карантини объектлери тарқалған аймағынан мәмлекетимиздиң өсимликлер карантини объектлери бар болмаған аймақларына кирип келиўи нәтийжесинде зыян келтирилиўи қәўипиниң алдын алыў, оны шеклеў ҳәм сапластырыўдан ибарат. Өсимликлер карантинине байланыслы илажлар: тәбийий шараятлардағы бар болған өсимлик дүньясына, аўыл хожалығына, тоғайларға, дәрилик, декоратив өсимликлерге, соның ишинде олардың туқымлары, нәллери ҳәм бөлеклерине (қәлемшеси, пыязы, мийўесине ҳәм басқаларға), сондай-ақ өсимликлер карантини объектлерин тасыўшы болыўы мүмкин болған басқа өсимлик өнимине; тири замаррықларға, бактериялар, вируслар, нематодалар, кенелер, жәнликлерге; зыянкеслердиң, өсимликлер кеселликлерин қозғатыўшылардың коллекцияларына ҳәм олар келтиретуғын зыянлардың үлгилерине, сондай-ақ гербарийларға ҳәм туқымлардың коллекцияларына; шет еллерден ҳәм мәмлекетимиздиң өсимликлер карантини астында деп жәрияланған аймақларынан кирип келген өсимликлерге, аўыл хожалығы машиналарына, жерге ислеў бериў қуралларына, ыдыслардың барлық түрлерине, айырым санаат товарларына, қадақлаў үскенелерине, сондай-ақ өсимлик материалларынан таярланған буйымларға, монолит тасларға, топырақ үлгилерине, транспорт қуралларына ҳәмде басқа өсимликлер карантини объектлерин тасыўшыларға; өсимлик өнимин жетистиретуғын, таярлайтуғын, жәмлейтуғын, қайта ислейтуғын ҳәмде реализация етилетуғын  кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң аймақлары ҳәм имаратларына, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерине ҳәм тоғай қоры жерлерине, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкаларына, сондай-ақ аўыл хожалығы мақсетлеринде пайдаланылмайтуғын жерлерге (жолларға, электр өткизгишлер әтирапындағы жерлерге ҳәм басқаларға) ҳәмде мәмлекеттиң шегараалды аймақларына қолланылады. 19-статья. Карантин орнатыў ҳәм оны бийкарлаў тәртиби Өсимликлер карантини объектлери анықланған жағдайларда районлық (қалалық) өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторының усынысына муўапық жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият  уйымларының шешимлери менен фермер ҳәм дийқан хожалықларының, тоғай хожалықларының ҳәмде басқа юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкалары, темир жол станциялары, аэропортлар, қалашалар посёлкалар, аўыллар, сондай-ақ оларға тутас аймақлар өсимликлер карантини астында деп жәрияланады ямаса оларда зәрүр карантин шеклеўлери орнатылады. Қала ҳәм районларды өсимликлер карантини астында деп жәриялаў ямаса карантин шеклеўлерин орнатыў Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини бас мәмлекетлик инспекторының усынысына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары менен әмелге асырылады. Қарақалпақстан Республикасының аймақларын өсимликлер карантини астында деп жәриялаў яки карантин шеклеўин орнатыў Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини бас мәмлекетлик инспекторының усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен әмелге асырылады. Өсимликлер карантини астында деп жәрияланған аймақта өсимликлер карантини ошағының тарқалыўына жол қойылмайды, буған тутас аймақларда өсимликлер карантини объектлери тарқалыўының алдын алыўға ҳәм оларды жоқ етиўге қаратылған өсимликлер карантинине байланыслы илажлар өткериледи. Карантин астындағы өнимди карантин шеклеўлери орнатылған аймақлардан алып шығыў ҳәм олардан пайдаланыў шәртлери өсимликлер карантини қағыйдалары ҳәм фитосанитария талаплары тийкарында әмелге асырылады, зыянланған өним буған кирмейди. Зыянланған өнимнен пайдаланыў шәртлери өсимликлер карантини қағыйдаларына муўапық өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторлары тәрепинен белгиленеди. Аймақта орнатылған карантин шеклеўлери өсимликлер карантини бойынша зәрүр илажлар өткерилгеннен ҳәм өсимликлер карантини объектлери толық жоқ етилгеннен кейин, тийисли өсимликлер карантини бас мәмлекетлик инспекторының усынысларына муўапық шеклеўлер орнатқан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары менен ямаса Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини бас мәмлекетлик инспекторының усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен бийкар етиледи. 20-статья. Фитосанитариялық дала қадағалаўы ҳәм оны шөлкемлестириў Фитосанитариялық дала қадағалаўы өсимликлердиң ҳәм өсимлик өниминиң фитосанитариялық тазалығын тәмийинлеў, оларда өсимликлер карантини объектлериниң бар ямаса жоқ екенлигин анықлаў мақсетинде әмелге асырылады. Фитосанитариялық дала қадағалаўы өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторлары тәрепинен әмелге асырылады. Фитосанитариялық дала қадағалаўы өткерилгеннен кейин акт дүзиледи ҳәм әмелге асырылыўы зәрүр болған илажлар белгиленеди.  21-статья. Өсимликлер карантини тараўындағы лаборатория тексериўлери Өсимликлер карантини тараўындағы лаборатория тексериўлери карантин астындағы өнимниң бөлеклерин ҳәм (ямаса) үлгилерин олар зыянланғанлығын ямаса зыянланбағанлығын, оларда өсимликлер карантини объектлери бар екенлигин ямаса жоқ екенлигин анықлаў мақсетинде өткерилетуғын излениўлерден ибарат ҳәм бул излениўлер нызам ҳүжжетлерине муўапық аккредитация етилген лабораторияларда өткериледи. Өсимликлер карантини тараўындағы лаборатория тексериўлери: карантин астындағы өнимниң өсимликлер карантини қағыйдаларына ҳәмде фитосанитария талапларына муўапықлығын анықлаў; Қарақалпақстан Республикасы аймағында өсимликлер карантини тараўында мониторинг алып барыў; фитосанитариялық қәўипин таллаў; фитосанитария сертификатын бериў; илимий излениўлерди әмелге асырыў мақсетинде өткериледи. Өсимликлер карантини тараўындағы лаборатория тексериўлери нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа мақсетлерде де әмелге асырылыўы мүмкин. 22-статья. Карантин астындағы өнимниң фумигациясы Карантин астындағы өним алып келинип атырғанда, мәмлекетимиз аймағында тасылып атырғанда, алып шығылып атырғанда транспорт қуралларындағы ҳәм бос қоймаханалардағы фумигация жумыслары тек ғана өсимликлер карантини объектлерине қарсы гүресиў бойынша арнаўлы фумигация бөлимлери тәрепинен әмелге асырылып, олардың жуўмағы бойынша зыянсызландырыў ҳаққындағы акт рәсмийлестириледи. 23-статья. Өсимликлер карантини тараўында мониторинг жүргизиў Қарақалпақстан Республикасы аймағында өсимликлер карантини тараўында мониторинг жүритиў өсимликлер карантини объектлерин анықлаў, гүзетиў, таллаў, баҳалаў ҳәм олардың тарқалыўын болжаў системасынан ибарат есапланады. Өсимликлер карантини тараўындағы мониторинг: Өсимликлер карантини объектлериниң мәмлекетимизге кирип келиўине, тарқалыўына ҳәмде биоэкологиялық қәсийетлерине тәсир етиўге көмеклесиўши факторларды анықлаў ҳәм баҳалаў; өсимликлер карантини объектлериниң мәмлекетимизге кирип келиў жолларын ҳәм тарқалған аймақларды анықлаў; өсимликлер карантини объектлери ошақларын анықлаў; өсимликлер карантини объектлерине қарсы гүресиў ушын зәрүр илажларды ислеп шығыў; фитосанитариялық қәўипти анықлаў ҳәм таллаў мақсетинде әмелге асырылады. Өсимликлер карантини тараўындағы мониторинг белгиленген тәртипте өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмети тәрепинен әмелге асырылады.

 VI бап. Өсимликлер карантини тараўындағы мәлимлемениң ашықлығы

24-статья. Мәлимлемеден пайдаланыў Өсимликлер карантини тараўындағы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер, техникалық жақтан тәртипке салыўға байланыслы норматив ҳүжжетлер, соның ишинде фитосанитария талаплары, сондай-ақ карантин астындағы аймақлар, өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмети тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәмде өсимликлер карантини тараўындағы басқа мәлимлеме ғалаба хабар қуралларында ҳәм Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының рәсмий интернет сайтында жәрияланады.

VII бап. Карантин астындағы өнимди алып кириў ҳәм алып шығыў

25-статья. Алып келинип атырған, алып шығылып атырған ҳәм транзит тәрзинде алып өтилип атырған карантин астындағы өнимге қойылатуғын талаплар Алып келинип атырған, алып шығылып атырған ҳәм транзит тәризинде алып өтилип атырған карантин астындағы өним өсимликлер карантини объектлеринен аўлақта болыўы ҳәмде оның ҳәр бир партиясы фитосанитария сертификатларының түп нусқалары менен тәмийинленген болыўы керек. Карантин астындағы өним алып келингенде, алып шығылғанда ҳәм транзит тәрзинде алып өтилгенде өсимликлер карантини қағыйдалары ҳәмде фитосанитария талапларына әмел етилиўи тийис. 26-статья. Карантин астындағы өнимди алып кириў Карантин астындағы өнимди алып кириўге карантин рухсатнамасы, экспортқа шығарыўшы мәмлекеттиң өсимликлер карантини ҳәм оларды қорғаў бойынша мәмлекетлик уйымлар тәрепинен берилетуғын фитосанитария сертификаты ямаса гүўалығы бар болған жағдайда жол қойылады. Өсимликлер карантини ҳәм оларды қорғаў бойынша мәмлекетлик уйымларыға ийе болмаған шет еллерден карантин астындағы өнимди алып кириўге Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен карантин астындағы өнимниң ҳәр бир партиясына өз алдына берилетуғын карантин рухсатнамасы бар болған жағдайда жол қойылады. Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары, юридикалық ҳәм физикалық шахслар карантин астындағы өнимди алып кириўде: карантин астындағы өнимди мәмлекетимизге жеткерип бериўге ямаса аймақтан транзит тәризинде алып өтиўге байланыслы саўда шәртнамаларына (контрактларына) өсимликлер карантини объектлериниң мәмлекетимизге кирип келиўиниң алдын алыўды тәмийинлейтуғын фитосанитария талапларын киргизиўи; шет еллерден карантин астындағы өнимди сатып алыў ўақтында, зәрүр болған жағдайда, бул мәмлекетлердеги карантин астындағы өнимниң фитосанитариялық жағдайын үйрениў ушын өсимликлер карантини бойынша қәнигелерди жибериўди нәзерде тутыўы шәрт. Алып келинип атырған карантин астындағы өним өсимликлер карантини шегара пунктлеринде өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторлары тәрепинен мәжбүрий тексериўден өткерилиўи тийис. Карантин астындағы өнимди алып кириў әмелге асырылатуғын өсимликлер карантини шегара пунктлери Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен белгиленеди. Қоңсы еллерден өсимликлер карантини объектлериниң мәмлекетимизге кирип келиўи ҳәм тарқалыўы қәўипи пайда болған жағдайда, ўәкилликли уйымлардың шешимине муўапық қәўип туўдырыўшы участкалардағы шегара ўақытша жаўып қойылады. Өсимликлер карантини объектлери анықланған карантин астындағы өнимди алып кириў қадаған етиледи, буннан олардың илимий мақсетлерде алып келинген үлгилери буған кирмейди. Туқымлықларды ҳәм егис материалларын шет еллерден Қарақалпақстан Республикасында жасаўшы пуқараларға почта жөнелтпелеринде жибериў, сондай-ақ жүк пенен алып өтиў қадаған етиледи. Өсимликлер карантини объектлери менен зыянланбаған айырым мийўелерди ҳәм овощларды жолаўшылардың қол жүгинде өткериўге өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторы тәрепинен рухсат бериледи. Айрықша қунлылыққа ийе болған туқымлар, өсимликлер ямаса егис материаллары илим-изертлеў мәкемелериниң мәнзилине жолланған жағдайда, олар өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторының жуўмағына муўапық интродукция карантин нәлханасына тексериў ушын жиберилиўи керек. Мәмлекетимизде аккредитацияланған дипломатиялық ўәкилханалар, консуллық мәкемелери ҳәм саўда ўәкилханалары тәрепинен карантин астындағы өнимди шет еллерден жүк пенен алып кириў ҳәм почта арқалы жибериў, мәмлекет ишинде тасыў ҳәмде оннан пайдаланыў өсимликлер карантини қағыйдаларына муўапық әмелге асырылады. Алып келинген карантин астындағы өнимде өсимликлер карантини объектлери анықланған жағдайда, олар белгиленген тәртипте бир сутка ишинде мәжбүрий фумигация қылынады  ямаса басқа усыллар менен зыянсызландырылады, жабайы шөплерден тазаланады, жасырын зыянланыўларды анықлаў ҳәм саламатландырыў мақсетинде оранжереяларға ҳәм карантин нәлханаларына өсимликлер карантини қағыйдаларына муўапық егиледи. Бул өсимлик материалына техникалық жақтан ислеў бериледи ямаса олардан аймағы өсимликлер карантини объектлери тарқалыўы қәўипи болмаған районларда пайдаланылады. Жасырын зыянланыўды анықлаў айрықша жағдайларда лаборатория тексериўи тийкарында әмелге асырылыўы мүмкин. Алып келинген карантин астындағы өнимди зыянсызландырыў менен байланыслы барлық қәрежетлер, соның ишинде жумысшы күшинен, транспорттан, ханалардан ҳәм жәрдемши материаллардан пайдаланыў тийисли жүкти алыўшылар ямаса карантин астындағы өнимди жибериўшилер есабынан әмелге асырылады. Карантин астындағы өним бар болған транзит жүклер өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет тәрепинен мәжбүрий түрде тексериўден өткерилиўи тийис. Өсимликлер карантини объектлери анықланған жағдайда, усы жүклер иркип турылыўы, зыянсызландырылыўы ямаса оны экспортқа шығарған мәмлекетке қайтарып жиберилиўи керек. 27-статья. Карантин астындағы өнимди алып шығыў Мәмлекеттен алып шығылып атырған карантин астындағы өним өсимликлер карантини қағыйдаларына, фитосанитария талапларына, сондай-ақ Өзбекстан Республикасының өсимликлер карантини тараўындағы халықаралық шәртнамалары қағыйдаларына муўапық болыўы ҳәмде мәмлекет аймағынан алып шығылыўы қадаған етилген карантин астындағы өнимлер дизимине киргизилмеген болыўы керек. Карантин астындағы өнимниң ҳәр бир партиясына белгиленген үлгидеги фитосанитария сертификаты қосымша етилген болыўы керек.

VIII бап. Жуўмақлаўшы режелер

28-статья. Өсимликлер карантини тараўындағы халықаралық бирге ислесиў Өсимликлер карантини тараўындағы халықаралық бирге ислесиў Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларына ҳәм нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылады.  29-статья. Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет системасын қаржыландырыў Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет системасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дереклер есабынан қаржыландырылады. Өсимликлер карантини объектлерине қарсы гүресиў бойынша арнаўлы фумигация бөлимлери зыянсызландырыў бойынша орынланған жумыслардан алынған түсимлер есабынан толық өзин өзи қаржыландырыў тийкарында өзиниң жумысын әмелге асырады. Өсимликлер карантини объектлерине қарсы гүресиў ҳәм фитосанитариялық қәўипсизликти тәмийинлеў ушын ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджеттен қаржылар ажыратылады. Өсимликлер карантини тараўында көрсетилетуғын төлемли  хызметлерден алынған дәраматлар өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет системасы хызметкерлерин хошаметлеўге, өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекцияларының материаллық-техникалық базасын раўажландырыўға ҳәмде олардың жумысы менен байланыслы болған басқа қәрежетлердиң орнын қаплаўға сарыпланады. Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызметиниң алып кирилип атырған, алып шығылып атырған ҳәм транзит тәризинде алып өтилип атырған карантин астындағы өнимди тексериў ҳәмде көзден кешириў, сондай-ақ зәрүр ҳүжжетлерди рәсмийлестириў менен байланыслы барлық қәрежетлердиң орны тийисли юридикалық ҳәм физикалық шахслар қаржылары есабынан қапланады. 30-статья. Тартысларды шешиў Өсимликлер карантини тараўындағы тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шешиледи. 31-статья. Өсимликлер карантини ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкершилик Өсимликлер карантини ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов

Нөкис қаласы, 19-декабрь 2020-жыл № 75/ХI