Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ФИРМА АТАМАЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ

ФИРМА АТАМАЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети фирма атамаларын ҳуқықый жақтан қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў саласындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Фирма атамалары ҳаққындағы нызамшылық актлери Фирма атамалары ҳаққындағы нызамшылық актлери усы Нызам ҳәм басқа нызамшылық актлеринен ибарат. Егер Өзбекстан яки Қарақалпақстан Республикаларының халықаралық шәртнамасында фирма атамалары ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы нызамшылығында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады. 3-статья. Фирма атамасы Фирма атамасы юридикалық шахс болған коммерциялық шөлкемниң (буннан кейин текстте юридикалық шахс деп жүритиледи) индивидуал атамасы болып, оған байланыслы айрықша  ҳуқық юридикалық шахс мәмлекетлик дизимнен өткизилген ўақытта жүзеге келеди. Юридикалық шахс толық фирма атамасы менен бирге қысқартылған фирма атамасына да ийе болыўы мүмкин. Юридикалық шахстың фирма атамасында оның шөлкемлестириў-ҳуқықый формасы көрсетилиўи керек. Нызамда нәзерде тутылған жағдайларда фирма атамасында юридикалық шахс жумысының өзгешелиги көрсетилиўи керек. 4-статья. Фирма атамасында көрсетилиўи лазым болмаған белгилер Фирма атамасында көрсетилиўи мүмкин емес: 1) мәмлекеттиң рәсмий атамасы, халықаралық, ҳүкиметлераралық яки мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң қысқартылған яки толық атамасы; 2) белгиленген тәртипте берилетуғын, тарийхый ямаса Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларында атақлы болған шахстың толық ямаса қысқартылған аты рухсатсыз; 3) фирма атамасының ийеси, оның жумыс түри ямаса ол келип шыққан мәмлекет ҳаққындағы жалған яки тутыныўшыны шалғытыўы мүмкин болған белгилер; 4) жәмийет мәплерине, адамгершилик ҳәм мораллық принциплерге қайшы болған белгилер. Сондай-ақ, фирма атамасында оларды алжастырып жибериў дәрежесинде бирдей яки оларға уқсас болған белгилер көрсетилиўи мүмкин емес: алдын Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларында басқа юридикалық шахс атына дизимнен өткизилген ямаса дизимнен өткериўди сорап талапнама берилген, алдынырақ үстинликке ийе болған фирма атамалары; алдын Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларында басқа шахс атына дизимнен өткизилген яки дизимнен өткизиўди сорап талапнама берилген, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының халықаралық шәртнамаларына муўапық дизимнен өткизилмей қорғалатуғын товар белгилери (хызмет көрсетиў белгилери); белгиленген тәртипте ҳәммеге мәлим деп табылған товар белгилери (хызмет көрсетиў белгилери); белгиленген тәртипте нызамшылық акти менен қорғалатуғын товарлар келип шыққан орынларының атамалары, бундай атамадан пайдаланыў ҳуқықына ийе болған шахс атына дизимнен өткериў жағдайларынан тысқары. Усы статьяның биринши бөлими 1-бәнтинде көрсетип өтилген белгилер, егер оған тийисли мәмлекетлик уйымның яки шөлкемниң рухсаты болса, фирма атамасына киргизилиўи мүмкин. 5-статья. Фирма атамасының ҳуқықый қорғалыўы Фирма атамасы юридикалық шахс мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап, ал сырт ел юридикалық шахсының фирма атамасы болса, сырт ел юридикалық шахсы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары аймағында пуқаралық айлансы қатнасыўшысы сыпатында жумысын әмелге асырыўды баслаған сәнеден ҳуқықый жақтан қорғалады. 6-статья. Фирма атамасына болған ҳуқық Юридикалық шахс өз фирма атамасынан пайдаланыўда ҳәм басқа юридикалық шахсларға усы фирма атамасынан пайдаланыў ҳуқықын бериўде айрықша  ҳуқыққа ийе. Сырт ел юридикалық шахсының фирма атамасына болған айрықша  ҳуқықы усы юридикалық шахс шөлкемлестирилген мәмлекеттиң нызамшылық актлеринде белгиленген ҳүжжети менен тастыйықланады. 7-статья. Фирма атамасынан пайдаланыў Төмендегилер фирма атамасынан пайдаланыў болып есапланады: фирма атамасын рәсмий бланкаларда, мөрлерде, штампларда ҳәм юридикалық шахстың жумысы менен байланыслы болған басқа ҳүжжетлерде сәўлелендириў; фирма атамасынан товарларда, олардың ыдысы ҳәм орамында, рекламада, қыстырмаларда, баспа мағлыўматнамаларда, есап-бетлеринде, баспаларда, товарларды Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларында өткерилетуғын көргизбелер ҳәм ярмаркаларда көрсетиў ўақтында пайдаланыў. Фирма атамасынан товар белгисиниң (хызмет көрсетиў белгисиниң) элементи сыпатында пайдаланылыўы мүмкин. 8-статья. Фирма атамасынан пайдаланыў ҳуқықын бериў Юридикалық шахс (лицензиар) өз фирма атамасынан пайдаланыў ушын басқа юридикалық шахсқа (лицензиатқа) нызамшылық актлерине муўапық олар ортасында дүзилген лицензия шәртнамасы ямаса комплекс исбилерменлик лицензиясы шәртнамасы тийкарында рухсат бериўи мүмкин. Лицензия шәртнамасында тутыныўшыны алжастырыўға қоймайтуғын илажлар нәзерде тутылыўы керек. 9-статья. Фирма атамасына болған ҳуқықтың басқа шахсқа өтиўи Фирма атамасына болған ҳуқықтыӊ басқа шахсқа өтиўи тек ғана юридикалық шахс қосып жиберилиўи, қосып алыныўы, бөлиниўи ҳәм ажыратылыўы жолы менен қайта шөлкемлестирилген яки пүтин кәрхана мүлкий комплекс сыпатында сатылған жағдайларда жол қойылады. Юридикалық шахслар қосып жиберилгенде ҳәм юридикалық шахс басқа юридикалық шахсқа қосып алынғанда фирма атамасына болған ҳуқықтың басқа шахсқа өтиўи тапсырыў актине муўапық әмелге асырылады. Юридикалық шахс бөлингенде яки сол юридикалық шахс қурамынан ажыралып шыққанында фирма атамасына болған ҳуқықтың басқа шахсқа өтиўи бөлистириў балансына муўапық әмелге асырылады. 10-статья. Фирма атамасын ҳуқықый жақтан қорғаўды тоқтатыў Фирма атамасын ҳуқықый жақтан қорғаў юридикалық шахс сапластырылғанда яки оның фирма атамасы өзгерген жағдайда тоқтатылады. 11-статья. Фирма атамасына болған ҳуқықтың бузылыўы Фирма атамасынан нызамсыз пайдаланыў фирма атамасына болған айрықша ҳуқықтың бузылыўы деп есапланады. Егер товар белгисине (хызмет көрсетиў белгисине), домен атамасына болған ҳуқық фирма атамасына болған ҳуқықтан илгери алынған болса, товар белгисинде (хызмет көрсетиў белгисинде), домен атамасында сол фирманың атамасынан пайдаланыў фирма атамасына болған айрықша  ҳуқықтың бузылыўы деп есапланбайды. 12-статья. Фирма атамасына болған ҳуқықты қорғаў усыллары Фирма атамасына болған айрықша ҳуқықты нызамсыз пайдаланыўдан қорғаў: юридикалық шахстың жумысына байланыслы абырайын қорғаў мақсетинде суд қарары ҳаққында ғалаба хабар қуралларында жәриялаў; нызамсыз пайдаланылған фирма атамасын контрафакт товарлар, этикеткалар, ыдыслар ҳәм орамлардан ҳуқықбузар есабынан алып таслаў; нызамсыз пайдаланылған фирма атамасын контрафакт товарлар, этикеткалар, ыдыслар ҳәм орамлардан алып таслаў мүмкин болмаған жағдайда, оларды ҳуқықбузар есабынан жоқ етиў; контрафакт товарлар, этикеткалар, ыдыслар ҳәм орамларды фирма атамасына болған ҳуқыққа ийелик етиўши юридикалық шахсқа бериў арқалы әмелге асырылады. Фирма атамасына болған айрықша  ҳуқықты нызамсыз пайдаланыўдан қорғаў нызамшылық актлерине муўапық басқаша усыллар менен де әмелге асырылыўы мүмкин. 13-статья. Сырт ел юридикалық шахсларының ҳуқықлары Сырт ел юридикалық шахслары усы Нызамда нәзерде тутылған фирма атамаларына болған ҳуқықлардан Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының халықаралық шәртнамаларына муўапық яки өз-ара келисим принциплери тийкарында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының юридикалық шахслары менен теңдей пайдаланады. 14-статья. Тартысларды шешиў Фирма атамаларын ҳуқықый жақтан қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы тартыслар нызамшылық актлеринде белгиленген тәртипте шешиледи. 15-статья. Фирма атамалары ҳаққындағы нызамшылық актлерин бузғанлық ушын жуўапкершилик Фирма атамалары ҳаққындағы нызамшылық актлерин бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады. 16-статья. Усы Нызамныӊ орынланыўын, жеткерилиўин, мазмуны ҳәм әҳмийетиниӊ түсиндирилиўин тәмийинлеў Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги усы Нызамныӊ мазмуны ҳәм әҳмийетин ҳалықтыӊ арасында түсиндирилиўин,  Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы усы Нызамныӊ орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин тәмийинлесин. 17-статья. Нызамшылық актлерин усы Нызамға муўапықластырыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: ҳүкимет қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын; мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы болған өз норматив-ҳуқықый актлерин қайта көрип шығыўы ҳәм бийкар етилиўин тәмийинлесин. 18-статья. Усы Нызамның күшке кириўи Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов

Нөкис қаласы, 6-октябрь 2021-жыл № 166/ХХII