Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ
  • Бас бет
  • Ҳүжжетлер
  • ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ҲҮРМЕТЛИ АТАҚЛАРЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ҲҮРМЕТЛИ АТАҚЛАРЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 14.12.1996-ж. № 231/1

 ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ҲҮРМЕТЛИ АТАҚЛАРЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

 Пуқаралардың мийнеттеги табыслары, жемисли мәмлекетлик жәмийетлик ҳәм дөретиўшилик жумысы ушын хошаметлеў мақсетинде 1. Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақлары шөлкемлестирилсин: «Қарақалпақстан Республикасы халық артисти» «Қарақалпақстан Республикасы халық жазыўшысы» «Қарақалпақстан Республикасы халық художниги» «Қарақалпақстан Республикасы халық шайыры» «Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими» «Қарақалпақстан Республикасы халық жыраўы» «Қарақалпақстан Республикасы халық бақсысы» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери» «Қарақалпақстан Республикасыни мийнети сиңген илим ғайраткери» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген комуналлық, турмыс ҳәм саўда саласы хызметкери» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген байланыс  хызметкери» «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсетген артист» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген ирригатор» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген ойлап табыўшы ҳәм рационализатор» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген экономист» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген архитектор» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген пахтакеш» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген салыкеш» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген пиллекеш» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген ден саўлықты сақлаў хызметкери» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген спортшы» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген транспорт хызметкери» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген шарўа» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери» «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген қурылысшы» 2. Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақлары хаққында Реже тастыйықлансын. (Қоса тигиледи). 2002-жыл 5-октябрь күни 183/2 санлы қарары менен бийкарланған 3. Қарақалпақстан Республикасы ҳүрметли атақларына өңир белгилериниң тәрийипи тастыйықлансын. (Қоса тигиледи)

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Ү.Әширбеков

Нөкис қаласы, 14-декабрь 1996-жыл № 231/I

Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақлары ҳаққында Р Е Ж Е

Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақлары төмендегилерге бериледи. «Қарақалпақстан Республикасы халық артисти» -театр, музыка кино, эстрада, телевидение ҳәм радио еситтириўин раўажландырыў, республикада дөретиўшилик кадрларын таярлаў ҳәм тәрбиялаўдағы айрықша хызметлери ушын көрнекли көркем өнер ғайраткерлерине бериледи. «Қарақалпақстан Республикасы халық жазыўшысы» -әдебиятты раўажландырыўда айрықша хызметлери бар, халық тәрепинен кең түрде тән алынған белгили көркем өнер шығармаларын дөреткен жазыўшыларға драматурглерге, сыншыларға ҳәм илимпаз әдебият изертлеўшилерге бериледи. «Қарақалпақстан Республикасы халық художниги» -сүўретлеў өнерин, графиканы, мүсиншиликти, безеўшилик-қолланба, театр көркем өнерин ҳәм кино көркем өнериниң көрнекли ғайраткерлерине бериледи. «Қарақалпақстан Республикасы халық шайыры» -әдебиятты раўажландырыўда айрықша хызметлери бар, республикада ҳәм оның тысқарысында кең түрде мәлим болған белгили поэтикалық шығармалар дөреткен шайырларға бериледи. «Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими» -балаларға ҳәм жасларға билим бериўде ҳәм оларды тәрбиялаўда, халық билимлендириўин раўажландырыў исинде айрықша хызметлери бар барлық түрдеги улыўма билим беретуғын мектеплердиң муғаллимлерине, жоқарғы ҳәм орта арнаўлы ҳәм кәсип техникалық оқыў орынларының оқытыўшыларына оқыў-тәрбия, методикалық ҳәм халық билимлендириўиниң басқада мекемелерине бериледи. «Қарақалпақстан Республикасынықң халық жыраўы» -халықтың миллий фольклорлық дөретпелерин сақлаў ҳәм оны үгит нәсиятлаў, сондай-ақ жыраўшылық өнерин раўажландырыўда көп жыллар даўамында дөретиўшилик мийнет еткен жыраў ҳәм қыссаханларға бериледи. «Қарақалпақстан Республикасы халық бақсысы» -бақсышылық өнерин раўажландырыў ҳәм оны үгит нәсиятлаўда көп жыллар даўамында дөретиўшилик мийнет еткен ҳәм халық қосықларын атқарыўдың шеберликлерин жоқары дәрежеде ийелеген бақсыларға бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери» -жоқары көркем шығармалар дөреткен, әдебият ҳәм көркем өнерди раўажландырыўда, республикада дөретиўшилик кадрларын таярлаў ҳәм тәрбиялаўда хызметлери бар  режиссерларға, компазиторларға, дирижерларға, балетмейстрларға, музыкалық, хор, аяқ ойын ҳәм басқада көркем өнер жәмәәәтлериниң басшыларына, мәденият ҳәм көркем өнер оқыў орынларының оқытыўшыларына, сүўретшилик өнери безеў, нағыс ойыў, гилем тоқыў ҳәм халық дөретиўшилигиниң басқа да түрлери бойынша айрықша белгили шығармалар дөреткен халық шеберлерине бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткекри» -илим ҳәм техника тараўында айрықша баҳалы мийнетлери, ашқан жаңалықлары ҳәм ойлап табыўлары, илим ҳәм техниканы раўажландырыў, үгит-нәсиятлаў оның жетискенликлерин енгизиў, республиканың халық хожалығы ушын илимий кадрларды ҳәм жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаўдағы хызметлери ушын илимпазларға бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген коммунал, турмыс ҳәм саўда саласы хызметкери» -халыққа хызмет көрсетиўди жақсылаў исинде айрықша хызметлери бар турақ жай коммунал хожалығы, халыққа турмыс хызметин көрсетиў саўда ҳәм жәмийетлик аўқатланыў кәрханаларының, бирлеспелериниң шөлкемлериниң ҳәм мекемелериниң хызметкерилерине бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген байланыс хызметкери» -байланыс қуралларын раўажландырыў ҳәм жетилистириўде, халық хожалығына ҳәм республика халқына байланыстың барлық түрлери менен үлгили хызмет көрсетиўди шөлкемлестириўде айрықша хызметлери бар байланыс хызметкерлерине бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист» -көркем өнерди раўажландырыўда, республикада дөретиўшилик кадрларды таярлаў ҳәм тәрбиялаўда хызметлери бар театр, кино, эстрада, телевидение ҳәм радио еситтириўи артистлери ҳәм режиссерларына, музыкалы атқарыўшылар ҳәм қосық айтыўшыларға, балетмейстрлерге, оркестрлер ҳәм хорлардың дирижерларына, музыкалы ҳәм басқа да көркем өнер жәмәәтлериниң басшыларына бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» -жасларды  кәсиплик шеберликке үйретиўде, мийнетке ҳақ нийетли қатнас, Ўатанға сүйиспеншилик ҳәм жоқары әдеп-икрамлылық сыпатларын тәрбиялаўда айрықша хызметлери бар халық хожалығының хызметкерлери ҳәм қәнигелерине бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» -баспа  сөзди раўажландырыўда үлкен хызметлери бар, дөретиўшилик ҳәм шөлкемлестириўшилик жумыста айрықша көзге түскен газеталар ҳәм журналлар редакцияларының, телевидение ҳәм радио еситтириўиниң, мәлимлеме агентлиги журналистлерине, баспалардың, басқа да шөлкемлердиң хызметкерлерине бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери» -республикада санаатын раўажландырыўда айрықша хызметлери бар, санаатлық бирлеспелер ҳәм кәрханалардың, илимий-иззертлеў жойбарлаў-конструкторлық мәкемелердиң хызметкерлерине бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген ирригатор» -суў хожалығы объектлерин қурыў ҳәм пайдаланыў менен шуғылланыўшы ҳәм суў хожалығын және суўғарып егилетуғын дийханшылықты раўажландырыўда, сондай-ақ республика тәбиятын қорғаўда айрықша хызметлери бар суў хожалығы, қурылыс, жойбарлаў, илимий-изертлеў ҳәм басқада шөлкемлердиң хызметкерлерине бериледи. «Қарақалпақстан республикасына мийнети сиңген ойлап табыўшы ҳәм рационализатор» -халық хожалығына енгизилген ҳәм әдеўир экономикалық нәтийже берген ойлап табыўлар ҳәм рационализаторлық усыныслардың авторларына, сондай-ақ ойлап табыўшылықты ҳәм рационализаторлықты раўажландырыўда, ойлап табыўларды ҳәм рационализаторлық усынысларды өндириске енгизиўде хызметлери бар адамларға бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген экономист» -экономиканы көтериўде айрықша хызметлери бар, халық хожалығының барлық тараўларының жоқары маманлықтағы экономистлерине ҳәм бухгалтерлиқ есап хызметкерлерине бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери» -мәдений-ағартыў мәкемелери, телевидение, радио, баспа сөз, баспалар, тарийх ҳәм мәденият естеликлерин қорғаў хызметлерине, сондай-ақ мәдениятты раўажландырыўда айрықша хызметлери бар адамларға бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген архитектор» -миллий архитектураны, қала қурылысын раўажландырыўда, заманагөй пуқаралық, санаатлық ҳәм аўыллық архитектуралық комплекслерди, имәратларды ҳәм қурылысларды дөретиўде, сондай-ақ республикада естелик имәратларды қәлпине келтириў исинде хызметлери бар жоқары маманлынлықтағы архитекторларға бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген пахтакеш» -жәмәәтлик, акционерлик, дийхан, ижаралық, жеке ҳәм басқа да хожалық түрлериниң, кәрханалардың, оқыў орынларының, илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе мәкемелериниң хызметкерлерине, сондай-ақ пахташылықты раўажландырыўда айрықша хызметлери бар басқа да адамларға бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген салыкеш» -жәмәәтлик, акционерлик, дийхан, ижаралық, жеке ҳәм басқа да хожалық түрлериниң, кәрханалардың, оқыў орынларының, илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе мәкемелериниң хызметкерлерине, сондай-ақ салыгершиликти раўажландырыўда айрықша хызметлери бар басқа да адамларға бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген пиллекеш» -хожалықлардың, кәрханалардың, оқыў орынларының, илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе мәкемелериниң, жәмәәтлик, акционерлик, дийхан, ижаралық, жеке ҳәм басқа да түрлериниң хызметкерлерине, сондай-ақ пиллешиликти раўажландырыўда айрықша хызметлери бар басқа да адамларға бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген ден саўлықты сақлаў хызметкери» -ден саўлықты сақлаўды раўажландырыўда ҳәм медициналық хызмет көрсетиўди және республика халқының ден саўлығын сақлаўды шөлкемлестириўде айрықша хызметлери бар, илимий-изертлеў, емлеў-профилактикалық, санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм фармацевтикалық мәкемелердиң хызметкерлерине, соның ишинде орта ҳәм киши медицина хызметкерлерине бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер» -олимпиада ҳәм Азия ойынларының, дүнья жүзилик, азия чемпионатларының, бириншиликлериниң А топарындағы басқа да халық аралық жарыслардың, олимпиададан алдыңғы турнирлердиң ямаса майыплардың дүнья жүзилик чемпионатларының чемпионларын ҳәм призерларын таярлаған, сондай-ақ физкультура ҳәм спортты раўажландырыўдағы айрықша хызметлери ушын тренерлерге бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген спортшы» -дүнья жүзи чемпионларына ҳәм рекордшыларына, олимпиада ҳәм азия ойынларының призерларына, сондай-ақ спорт жарысларында жоқары нәтийжеге ерискен басқа да спортшыларға бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген транспорт хызметкери» -республика транспортын раўажландырыўда, таранспорт қуралларын пайдаланыўдың, жолларды қурыў ҳәм эксплуатациялаўдың нәтийжелилигин арттырыўда айрықша хызметлери бар автомобиль, темир жол, ҳаўа, дәрья қалалық транспорттың, жолларды қурыў ҳәм пайдаланыўдың, оқыў орынларының, илимий-изертлеў мәкемелериниң, жойбарлаў шөлкемлериниң, сондай-ақ басқа да транспорт кәрханаларының хызметкерлерине бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери» -республиканың халық билимлендириўин раўажландырыўда айрықша хызметлери бар барлық типтеги улыўма билим беретуғын мәкемелердиң, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларының, кәсип-техникалық училищелердиң, мектепке дейинги ҳәм мектептен тыс балалар мәкемелериниң, муғаллимлердиң қәнийгелигин арттырыў менен шуғылланыўшы методикалық кабинетлердиң, курслардың ҳәм институтлардың хызметкерлерине, сондай-ақ халық билимлендириўиниң басқа да мәкемелериниң хызметкерлерине бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген шарўа» -мал шарўашылығын раўажландырыўға айрықша ўлес қосқан жәмәәтлик, акционерлик дийқан, ижаралық, жеке ҳәм басқада түрдеги хожалықлардың, сондай-ақ оқыў орынларының, илимий изертлеў ҳәм зооветеринариалық мәкемелердиң, жойбарлаў шөлкемлериниң хызметкерлерине бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист» -нызамларды раўажландырыўда, нызамлылықты ҳәм ҳуқық тәртибин бекемлеўде, халық хожалығында ҳуқықый жумысты жақсылаўда, хуқық илимлерин раўажландырыўда ҳәм юридикалық кадрларды таярлаўда айрықша хызметлери бар жоқары квалификациялы юристлерге бериледи. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери» -аўыл хожалығын раўажландырыўда айрықша хызметлери бар аўыл хожалығы өндириси саласының, аўыл хожалық илимий-изертлеў мәкемелериниң ҳәм оқыў орынларының хызметкерлерине бериледи. «Қарақалпақстан республикасына мийнети сиңген қурылысшы» -республиканың қурылысын ҳәм қурылыс индустриясын раўажландырыўда айрықша хызметлери бар қурылыс, монтажлаў ҳәм жойбарлаў шөлкемлериниң илимий-изертлеў ҳәм басқада мәкемелердиң хызметкерлерине бериледи.

Қарақалпақстан Республикасы ҳүрметли атақларының өңирге тағатуғын белгилериниң тәрийпи

«Қарақалпақстан Республикасы халық артисти»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң сәл батыңқы алдыңғы бетинде ортасынан шеплеў тәрепинде перде ҳәм театр маскасы менен сахнасының бир бөлеги сүретленген. Шеп тәрепте, белгиниң шетине жақын лавр шақасы сәўлеленген. Белгиниң ортасынан сәл оңда кесесине жоқарысында «ХАЛЫҚ АРТИСТИ» деп төменинде «ХАЛҚ АРТИСТИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасының халық жазыўшысы»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белигиниң тегис алдыңғы бетиниң оң тәрепинде лавр шақасы сәўлеленген, оның үстинде ашып қойылған китап жайласқан. Шепте бир топ китаплардың сүўрети берилген. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап, жоқарысында «ХАЛЫҚ ЖАЗЫЎШЫСЫ» деп төменинде «ХАЛҚ ЁЗУВЧИСИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасы халық художниги»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис, сәл батыңқы бетинде, ортасында кистьлери менен палитраның сүўрети салынған, сәл оң тәрепинде бир бөлеги палитраны жаўып турған лавр шақасы бар. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап жоқарысында «ХАЛЫҚ ХУДОЖНИГИ» деп төменинде «ХАЛҚ РАССОМИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасы халық шайыры»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде ортасында китаптың сүўрети сәўлеленген, оның төменинде авторучка ушлығының сүўрети жайласқан, китаптың оң тәрепинде гүлдиң сүўрети бар. Шепте ашылып турған китап астынан баслап жоқарыға қарайлавр шақасы жайласқан. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап жоқарысында «ХАЛЫҚ ШАЙЫРЫ» деп төменинде «ХАЛҚ ШОИРИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

 «Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы Бетиниң жоқарысында глобустың, оң тәрепинде авторучканың, төменинде үш мүйешли сызғыштың сүўрети сәўлеленген. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап жоқарысында «ХАЛЫҚ МУҒАЛЛИМИ» деп төменинде «ХАЛҚ ЎҚИТУВЧИСИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасы халық жыраўы»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде, шеп тәрепинде халық әспабы қобыздың сүўрети сәўлеленген. Оң тәрепинде лавр шақасы жайласқан. Белгиниң оңырағында кесесине «ХАЛЫҚ ЖЫРАЎЫ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасы халық бақсысы»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде, шеп тәрепинде халық әспабы дўўтардың сүўрети сәўлеленген. Оң тәрепинде лавр шақасы жайласқан. Белгиниң оңырағында ортада кесесине «ХАЛЫҚ БАҚСЫСЫ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде кесесине, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН КӨРКЕМ ӨНЕР ҒАЙРАТКЕРИ» деп төменинде «САНЪАТ АРБОБИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде, жоқарысында атом модели, төменинде ашылған китап, белгиниң оң тәрепинде китаптың жоқарысында ғаўаша шақасы сәўлеленген. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН ИЛИМ ҒАЙРАТКЕРИ» деп төменинде «ФАН АРБОБИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген коммуналлық турмыс ҳәм саўда саласы хызметкери»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетиниң алдыңғы көринисинде төмендеги шеп тәрепте фотоаппарат, оң тәрепте сўў себетуғын машина сәўлеленген. Артқы көринисинде саўда үйи, төменде оң тәрепте лавр шақасының сүўрети бар. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН КОММУНАЛЛЫҚ ТУРМЫС ҲӘМ САЎДА САЛАСЫ ХЫЗМЕТКЕРИ» деп төменинде «КОММУНАЛ МАИШИЙ ВА САВДО СОҚАСИДА ХИЗМАТ КЎРСАТГАН ХОДИМ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген байланыс хызметкери»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде жылдырым кесип өтип турған телевидение минары ҳәм төменинен оң тәрепинде лавр шақасы сәўлеленген. Белгиниң айлана дөгерегинде жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН БАЙЛАНЫС ХЫЗМЕТКЕРИ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН АЛОҚА ХОДИМИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис азғана батыңқы алдыңғы бетиниң жоқарысында перде тутылған театр сахнасының бир бөлеги сәўлеленген, төменинде лавр шақасының сүўрети бар. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап жоқарысында «ХЫЗМЕТ КӨРСЕТКЕН АРТИСТ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН АРТИСТ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде шығып киятырған қуяш нурлары фонында ашып қойылған китап сүўрети сәўлеленген, төменинде лавр шақасының сүўрети  бар. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН ЖАСЛАР УСТАЗЫ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН ЁШЛАР МУРАББИЙСИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетиниң ортасында авторучка ушлығы ҳәм жазыў дәптери сәўлеленген, алыста санаат кәрханалары ҳәм атызлар көринип тур, төменинде лавр шақасының сүўрети бар. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН ЖУРНАЛИСТ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН ЖУРНАЛИСТ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде, шестерняның фонында индустрияллық пейзаж, ал белгиниң төменги тәрепинде пахта ханаларынан исленген виньетка сүўретленген. Шеп ҳәм оң тәреплери лавр шақалары менен жиекленген. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН САНААТ ХЫЗМЕТКЕРИ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН САНОАТ ХОДИМИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети ирригатор»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде тарнаўдың сүўрети сәўлеленген, төменинде лавр шақасының сүўрети бар. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН ИРРИГАТОР» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН ИРРИГАТОР» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген ойлап табыўшы ҳәм рационализатор»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде, жоқарысында атомның моделиниң, шеп тәрепинде ракетаның, оң тәрепинде қурылыс кранының сүўрети сәўлеленген. Артқы көринисте заводлар корпуслары сәўлеленген. Төменинде лавр шақасының сүўрети бар. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН ОЙЛАП ТАБЫЎШЫ ҲӘМ РАЦИОНАЛИЗАТОР» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН ИХТИРОЧИ ВА РАЦИОНАЛИЗАТОР» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген экономист»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис, сәл батыңқы алдыңғы бетинде салы масақлары менен жийекленген электрон есаплаў машиинкасы сәўлеленген, жоқарысында белгиниң айлана дөгерегин бойлап, перфолента жайласқан, төменинде шестерняның бөлеги, оның астында пахта ханаларынан жасалған виньетка сәўлеленген. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН ЭКОНОМИСТ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН ИҚТИСОДЧИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң азғана батыңқы алдыңғы бетиниң ортасында ашып қойылған китап, шеп тәрепинде бетлер, жоқарысында бояў кистлер бар палитра сәўлеленген, китаптың астында шеп тәрепте музыка гилти жайласқан. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН МӘДЕНИЯТ ХЫЗМЕТКЕРИ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН МАДАНИЯТ ХОДИМИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген архитектор»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетиниң ортасында циркульдиң, шеп тәрепинде ватман қағаздың, ал оң тәрепинде қәлемлердиң сүўрети сәўлеленген. Артқы көринисте қурылыс объекти сүўретленген. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН АРХИТЕКТОР» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН МЕМОР» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген пахтакеш»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде, ортасында ашылған пахта ханасы сәўлеленген. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН ПАХТАКЕШ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН ПАХТАКОР» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген салыкеш»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде, салы атызының сәл оң тәрепинде комбайн сүўретленген. Төменинде айқасқан еки салы масағы бар. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН САЛЫКЕШ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН ШОЛИКОР» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген пиллекеш»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде бир буўат оралған гезлеме, тут жапырақларының үстинде жатқан пиллениң сүўрети сәўлеленген. Оң тәрепиниң төменги шетинде лавр шақасының сүўрети бар. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН ПИЛЛЕКЕШ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН ПИЛЛАЧИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген ден саўлықты сақлаў хызметкери»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетиниң шеп жағында қуяш шеңбери ишинде жылан оратылып турған кесениң сүўрети сәўлеленген. Белгиниң тегис алдыңғы бетинде кесесине жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН ДЕН САЎЛЫҚТЫ САҚЛАЎ ХЫЗМЕТКЕРИ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН СОҒЛИҚНИ САҚЛАШ ХОДИМИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде жуўырыў жолының фонында өзиниң устазы менен бирге жас спортшысынң сүўрети сәўлеленген. Оң тәрепиниң төменги шетинде лавр шақасы жайласқан. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН ТРЕНЕР» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН СПОРТ УСТОСИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген спортшы»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде, ортасында стадион ярым шеңбери фонында футбол тобы менен спорт кубогиниң сүўрети сәўлеленген, шеп тәрепинде бем мәмлекетлик байрақлар бар. Белгиниң оң тәрепинде лавр шақасы жайласқан. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН СПОРТШЫ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН СПОРТЧИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген транспорт хызметкери»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде ҳәр қыйлы транспорт қуралларының сүўретлери, жоқарысында самолет, төменирегинде тепловоз, төмениде алдыңғы көринисте самосвал сүўретленген. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН ТРАНСПОРТ ХЫЗМЕТКЕРИ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН ТРАНСПОРТ ХОДИМИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде, алдыңғы көринисте шепте ашып қойылған китап, оңда микроскоп, төменирегинде штанкенциркуль, төменинен оң тәрепте лавр шақасы, артқы көринисинде китаплар қойылған текше сәўлеленген. Белгиниң айлана дөгерегин бойлап, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН ХАЛЫҚ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ХЫЗМЕТКЕРИ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН ХАЛҚ ТАЪЛИМИ ХОДИМИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген шарўа»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде шарўашылық фермасының, еки от-шөп сақлаў минәриниң сүўрети сәўлеленген. Булардың фонында ири қара малдың басының сүўрети берилген. Алдыңғы тәрепинде сүт қуятуғын бидонның ҳәм мәккениң сүўрети бар. Белгиниң айлана дөгерин бойлап, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН ШАРЎА» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН ЧАРВАДОР» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң кесе сызық пенен бөлинген тегис алдыңғы бетинде шеп тәрепинде лавр шақасының үстинде, қалқан ҳәм еки қылыш, қалқанда Қарақалпақстан Республикасының герби сүўретленген. Белгиниң оң қапталында, кесесине жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН ЮРИСТ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН ЮРИСТ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетиниң ортасында тереклер фонында атыздың көриниси сәўлеленген. Шеп тәрепинде айлана дөгереклеп жапырақлары менен пахта ханаларының, мийўелердиң (алма,алмурт,жүзим) палызлардың (қаўын, ғарбыз) овощтың (капуста) ҳәм салы масақларының сүўретлери жайласқан. Белгиниң айлана дөгереги бойлап, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ХЫЗМЕТКЕРИ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН ҚИШЛОҚ ХЎЖАЛИГИ ХОДИМИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген қурылысшы»

Өңирге тағатуғын белги дөңгелек диаметри 28 мм болып, нейзильберден исленген (гүмис жалатылған). Белгиниң тегис алдыңғы бетинде қурылыс краны, оның төменинде лавр шақасы сәўлеленген. Белгиниң оң тәрепинде кесесине, жоқарысында «МИЙНЕТИ СИҢГЕН ҚУРЫЛЫСШЫ» деп төменинде «ХИЗМАТ КЎРСАТГАН ҚУРУВЧИ» деп жазылған. Сүўрет ҳәм жазыўлар дөңис болып келген. Өңирге тағатуғын белгиниң шетлери ени 2/3 мм қыр менен жийекленген. Белгиниң артқы тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының герби сәўлеленген. Өңирге тағатуғын белги кишкене тесик ҳәм ҳалқа арқалы колодкаға тутастырылған, колодканың арасы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлеринде муар лента менен қапланған.