ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ НЫЗАМ ЖОЙБАРЛАРЫН ТАЯРЛАЎ ҲӘМ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСКЕ КИРГИЗИЎ ТӘРТИБИ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 15.12.1997-ж. №297/1
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ НЫЗАМ ЖОЙБАРЛАРЫН ТАЯРЛАЎ ҲӘМ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСКЕ КИРГИЗИЎ ТӘРТИБИ ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакцияда)
Бул редакция 24.12.2015-ж. 67/VI-cанлы ҚР Нызамы менен тастыйықланған 30.12.2017-ж. 167/XIX-санлы ҚР Нызамы 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы 30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР НызамыУЛЫЎМА ҚАҒЫЙДАЛАР
1-статья. Нызамның мақсети Бул Нызам Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси (кейинги орынларда «Жоқарғы Кеңес» деп қолланылады) тәрепинен қабыл етилетуғын нызам жойбарларын таярлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине киргизиў тәртибин белгилейди. 2-статья. Нызам жойбарларын таярлаў ҳәм Жоқарғы Кеңеске киргизиў тәртиби ҳаққындағы нызам актлери Нызам жойбарларын таярлаў ҳәм Жоқарғы Кеңеске киргизиў тәртиби ҳаққындағы нызам актлери усы Нызам ҳәм де басқа да нызам актлеринен ибарат болып есапланады. 3- статья. Усы Нызамның ҳәрекет етиў тараўы Усы Нызам нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе болған уйымлар ҳәм шахслардың, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес, оның Президиумы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тапсырмасы яки усынысы бойынша ямаса өз басламасы менен нызам жойбарлары үстинде ислеп атырған министрликлер, мәкемелер, басқа да мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиң жумысына қолланылады. 4-статья. Жоқарғы Кеңестиң нызам шығарыўшылық жумысының тийкарғы бағдарлары Жоқарғы Кеңес өз жумысында нызам шығарыўшылық исиниң төмендеги тийкарғы бағдарлары бойынша келешекке мөлшерленген ҳәм ағымдағы жобалар ислеп шығады ҳәм де қабыл етеди: 1) инсан ҳуқықларына бойсынылыўы ҳәм де демократиялық принциплерди турмысқа және кеңирек енгизиў; 2) мәмлекетлик қурылыс; 3) базар экономикасын қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў; 4) халықаралық қатнасықларды раўажландырыў. 5-статья. Нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлери Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына муўапық төмендегилер нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе: 1) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары; 2) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси; 3) Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети; 4) Қарақалпақстан Республикасы суды; 5) Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды; 6) Қарақалпақстан Республикасының Прокуроры. (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) 6-статья. Нызамшылық басламасы ҳуқықын әмелге асырыў Нызамшылық басламасы ҳуқықы Жоқарғы Кеңеске нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлери тәрепинен нызам жойбарларын киргизиў арқалы әмелге асырылады 7-статья. Нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектиниң ўәкили Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети, Қарақалпақстан Республикасы суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды Жоқарғы Кеңесте өзи усынған нызам жойбары қарап шығылып атырғанда қатнасыў ушын өз ўәкилин тайынлайды. Нызамшылық басламасының басқа субъектлери де (Жоқарғы Кеңестиң депутатларынан тысқары) нызам жойбары Жоқарғы Кеңесте қарап шығылып атырғанда қатнасыў ушын өз ўәкилин тайынлаўы мүмкин. (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген)II. НЫЗАМ ЖОЙБАРЛАРЫН ТАЯРЛАЎ ЖУМЫСЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ
8-статья. Жоқарғы Кеңес Баслығының нызам жойбарларын таярлаў бойынша жумысы Жоқарғы Кеңес Баслығы: 1) Жоқарғы Кеңестиң нызамшылық жумысына улыўма басшылықты әмелге асырады; 2) Жоқарғы Кеңес Президиумына нызам жойбарларын карап шығыў бойынша усыныс киргизеди; 3) нызам жойбарларының улыўма халықлық додаланыўын шөлкемлестиреди. 9-статья. Жоқарғы Кеңес Президиумының жойбарларды таярлаў бойынша жумысы Жоқарғы Кеңес Президиумы: 1) жойбарларды таярлаў жумысын жобаластырылыўын шөлкемлестиреди, жобалар орынланыўы үстинен улыўма қадағалаўды әмелге асырады; 2) Жоқарғы Кеңес комитетлери хәм комиссияларына, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик бирлеспелерге жойбарларды ислеп шығыў ҳаққында тапсырма ҳәм де усыныслар береди; 3) нызам жойбарларына тийисли концепцияларды көрип шығады; 4) комитетлер ҳәм комиссиялар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиң жойбарларды таярлаўдың барысы ҳаққындағы мәлимлемелерин тыңлайды; 5) Жоқарғы Кеңес депутатларына жойбарларды таярлаў жумысында жәрдем береди ҳәм көмеклеседи; 6) зәрүр жағдайларда жойбарларды улыўма халықлық додалаўға қояды; 7) жойбарларды дәслепки яки қосымша тәризде көрип шығыў ушын Жоқарғы Кеңестиң тийисли комитетлери ҳәм комиссияларына тапсырады; 8) мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиң ҳәрекеттеги нызам ҳүжжетлерин қолланыў әмелияты ҳәм оның нәтийжелилиги ҳаққындағы мәлимлемелерин тыңлайды; 9) Жоқарғы Кеңестиң додалаўына киргизилетуғын нызам жойбарлары, оларға тийисли басқа зәрүр материаллар менен Жоқарғы Кеңес депутатлары өз ўақтында тәмийинлениўи үстинен қадағалаўды әмелге асырады; 10) усы нызамның талаплары бузылған жағдайда, нызам жойбарын оны усынған уйымға қайтарады; 11) зәрүр жағдайларда нызам жойбарларын таярлаў бойынша таңлаў жәриялайды. Жоқарғы Кеңес Президиумы жойбарларды таярлаў жумысын шөлкемлестириўге байланыслы басқа ўәкилликлерди де әмелге асырады. 10-статья. Жоқарғы Кеңес комитетлери ҳәм комиссияларының жойбарларды таярлаў бойынша жумысы Жоқарғы Кеңес депутатлары қәнигелестирилиўи бойынша Жоқарғы Кеңес қурамында дүзилген комитетлерге сайланыўы ҳәм өз жумысын комитет қурамында әмелге асырыўы себепли нызамлардың жойбарлары ҳәм нызам шығарыў ҳаққындағы усыныс Жоқарғы Кеңес комитетлери тәрепинен де киргизилиўи мүмкин. Жоқарғы Кеңес комитетлери ҳәм комиссиялары: 1) өз басламасы менен яки Жоқарғы Кеңес, оның Президиумы тапсырмасы бойынша нызам жойбарларын ислеп шығады ҳәм оларды Жоқарғы Кеңестиң додалаўына киргизеди; 2) жойбарларды таярлаў яки дәслепки қарап шығыў ушын арнаўлы комиссиялар яки исши топарларды дүзеди; 3) жойбарлар бойынша тийисли мәмлекетлик уйымлар, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм илимий мәкемелердиң пикирин сорайды; 4) жойбарлар бойынша келип түскен усынысларды улыўмаластырады ҳәм көрип шығады. Жоқарғы Кеңес комитетлери ҳәм комиссиялары жойбарларды таярлаў жумысын шөлкемлестириўге байланыслы басқа ўәкилликлерди де әмелге асырады. 11-статья. Жоқарғы Кеңес депутатының жойбарларды таярлаў бойынша жумысы Жоқарғы Кеңес депутаты: 1) Жоқарғы Кеңеске, оның Президиумы яки Жоқарғы Кеңес комитетлери ҳәм комиссияларына жойбарлар ислеп шығыў бойынша усыныслар киргизиўи мүмкин; 2) тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик бирлеспелерге мүрәжат етиўге ҳақылы, бул уйымлар ҳәм бирлеспелер жойбарды ислеп шығыўда оған жәрдем көрсетиўи, мәлимлеме материаллары ҳәм мағлыўматнамалар менен тәмийинлеўи шәрт; 3) Жоқарғы Кеңес яки оның уйымлары жойбарлар таярлаў ушын дүзетуғын комиссиялар ҳәм исши топарларының жумысында қатнасады; 4) нызам жойбарларын таярлаўда сайлаўшылардың пикирин есапқа алады. Жоқарғы Кеңес депутаты жойбарларды таярлаў жумысын шөлкемлестириў менен байланыслы басқа ўәкилликлерди де әмелге асырады. 12-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң нызам жойбарларын таярлаў бойынша жумысы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: 1) өз басламасы менен, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитетлериниң усыныслары тийкарында нызам жойбарларын ислеп шығады ҳәм Жоқарғы Кеңес сессиясына қарап шығыў ушын усынады; 2) министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, мәкемелер, ҳәм де мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўының басқа да уйымларына нызам жойбарларын таярлаў ҳаққында тапсырмалар береди, нызам жойбарларын таярлаў жумысын шөлкемлестиреди ҳәм оған басшылық етеди; 3) нызам жойбарларын мәмлекетлик уйымларға, мәмлекетлик емес шөлкемлерге ҳәм илимий мәкемелерге сын пикир алыў ушын жибереди; 4) министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм мәкемелердиң ҳәрекеттеги нызам ҳүжжетлериниң қолланылыў әмелияты, ҳәм де олардың нәтийжелилигин үйрениў жуўмақлары ҳаққындағы мәлимлемелерин тыңлайды; 13-статья. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң нызам жойбарларын таярлаў саласындағы ўәкиллиги Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги өз ўәкиллиги шеңберинде: 1) нызам дөретиўшилиги мәселелеринде мәмлекетлик ҳәм хожалық баскарыўы уйымларының жумысын муўапықластырып барады ҳәм де усы жумысқа методикалық жақтан басшылық етеди; 2) нызам дөретиўшилиги ҳәм ҳуқықтың қолланылыўы әмелияты саласында бирден бир мәмлекетлик сиясаты алып барылыўын тәмийинлейди; 3) нызам дөретиўшилиги жумысын жетилистириўдиң баслы бағдарларын ислеп шығады, олардың әмелге асырылыўын тәмийинлейди; 4) Жоқарғы Кеңестиң, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң тапсырмаларына муўапық ҳәм өз басламасы менен нызам жойбарларын ислеп шығады ҳәм қарап шығыў ушын белгиленген тәртипте киритеди; 5) мәмлекетлик ҳәм хожалық баскарыўы уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының нызам жойбарларын таярлаў мәселелери бойынша усынысларын көрип шығады ҳәм улыўмаластырады; 6) нызам жойбарларын олардың Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конституцияларына ҳәм нызамларына, нызамшылық техникасы қағыйдаларына муўапықлығын анықлаў көзқарасынан, сондай-ақ, нусқаў бериўши (силтеўши) нормалар қолланылыўының тийкарлылығы ҳәм мақсетке муўапықлығы көзқарасынан ҳуқықый экспертизадан өткереди; 6-1) нызам жойбарларының олардағы мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары системасында коррупция, басқа да ҳуқықбузарлықлар жүз бериўи ушын шараятлар жарататуғын, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери ушын олардың тийкарсыз қәрежетлер сарплаўына алып келиўши артықша ҳәкимшилик ҳәм басқа да шеклеўлерди енгизетуғын қағыйдалар ҳәм нормаларды анықлаў көзқарасынан талланыўын әмелге асырады; 7) нызам ҳүжжетлерин Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конституцияларына ҳәм нызамларына муўапықластырыў ҳаққында, ҳуқықый жақтан тәртипке салыўдың системалылығы ҳәм бир пүтинлилигин тәмийинлеў ҳаққында усыныслар ислеп шығады, нызам ҳүжжетлерин системаластырыў жумысларын әмелге асырады; 8) мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары тәрепинен нызам жойбарларын таярлаў зәрүрлигине тийисли мәселелердиң алдын ала келисип алыныўын әмелге асырады. 14-статья. Нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе болмаған мәмлекетлик уйымлардың, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың нызам жойбарларын таярлаўда қатнасыўы Нызамшылық басламасы хуқықына ийе болмаған мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралар нызам жойбарларын яки жаңа нызам қабыл етилиўи, нызамға өзгерислер, қосымшалар киргизиўи, сондай-ақ ҳәрекеттеги нызамды яки оның бир бөлегин өз күшин жойтқан деп табыў зәрүрлиги ҳаққындағы усынысларды нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти көрип шығыўы ушын киргизиўи мүмкин. Нызамшылық басламасы хуқықына ийе болмаған мәмлекетлик уйымлары, мәмлекетлик емес шөлкемлер яки пуқаралар тәрепинен киритилген нызам жойбарларын яки усынысларды нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти өзи ислеп шығып атырған нызам жойбарлары ушын тийкар сыпатында қабыл етиўи мүмкин.III. НЫЗАМ ЖОЙБАРЛАРЫН ТАЯРЛАЎ
15-статья. Нызам жойбарын таярлаў тәртиби Нызам жойбарын таярлаў: нызам жойбарын таярлаў ҳаққындағы усынысты көрип шығыў ҳәм оны таярлаў ҳаққында қарар қабыл етиўди; нызам жойбарын таярлаўды шөлкемлестириў-техникалық ҳәм финанслық жақтан тәмийинлеўди; зәрүр материаллар ҳәм мағлыўматлар топлаўды; нызам жойбарының концепциясын ислеп шығыўды; нызам жойбарын дүзиўди; ҳуқықый ҳәм басқа зәрүрли экспертиза өткериўди өз ишине алады. 16-статья. Нызам жойбарын бир неше нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлери менен биргеликте таярлаў Нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти нызам жойбарын биргеликте таярлаў ҳаққындағы усыныс пенен басқа да нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектине мүрәжат етиўи мүмкин. 17-статья. Нызам жойбарын таярлаўды шөлкемлестириў Нызам жойбарын таярлаў ушын Жоқарғы Кеңес ҳәм нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти тәрепинен исши топар (комиссия) дүзилиўи мүмкин. Исши топар (комиссия) қурамына нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектиниң тийисли бөлимлериниң ўәкиллери, министрликлер, мәмлекетлик комитетлер яки мәкемелердиң тийисли тармақлардың жағдайы ҳәм раўажланыўы ушын жуўапкер болған ўәкиллери, басқа да мәпдар мәмлекетлик уйымлардың, илимий ҳәм басқа да шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ, пуқаралар киргизилиўи мүмкин. Бунда мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ, пуқаралар исши топар (комиссия) қурамына өз келисими бойынша киргизиледи. Исши топар (комиссия) ағзалары нызам жойбарын таярлаў ушын зәрүр болған тийисли билим ҳәм тәжирийбеге ийе болыўы керек. Нызам жойбарын таярлаў тапсырылған мәмлекетлик уйым яки жәмийетлик бирлеспе исши топардың (комиссияның) жумысын тәмийинлеў ушын мәмлекетлик уйымлардан ҳәм басқа шөлкемлерден нызам жойбарын таярлаў ушын зәрүр болған материалларды, статистикалық мағлыўматларды ҳәм басқа да мағлыўматларды алыўға, нызам жойбары бойынша илимий ҳәм басқа да шөлкемлердиң, илимпазлар ҳәм де қәнигелердиң мәсләҳәтлери ҳәм усынысларын, сондай-ақ экспертлердиң жуўмақларын алыўға ҳақылы. Нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти, зәрүр болған жағдайларда, нызам жойбарын таярлаўды мәмлекетлик уйымлар, илимий мәкемелер ҳәм басқа да шөлкемлерге, айырым пуқараларға белгиленген тәртипте өз ўәкиллиги шеңберинде тапсырыўы яки оларға шәртнама тийкарында буйыртпа бериўи мүмкин. Нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти, зәрүр болған жағдайларда, нызамлардың альтернативалық жойбарларын таярлаўды бир неше мәмлекетлик уйымлар, илимий мәкемелер ҳәм басқа да шөлкемлерге, айырым пуқараларға өз ўәкиллиги шеңберинде тапсырыўға яки олар менен шәртнамалар дүзиўге, сондай-ақ, ең жақсы нызам жойбары ушын таңлаўлар жәриялаўға ҳақылы. 18-статья. Нызам жойбарының концепциясы Нызам жойбарын таярлаў оның концепциясын ислеп шығыўдан басланады. Концепцияда төмендегилер белгилениўи керек: ҳуқықый жақтан тәртипке салыўдың тийкарғы идеясы, мақсети ҳәм предмети; тийисли жәмийетлик қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыўдың усы салада ҳәрекет етип турған нызамлар ҳәм басқа да норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң талланыўы қосымша етилген ҳалдағы улыўма тәрийплемеси ҳәм жағдайына берилген баҳа; нызам жойбарын ислеп шығыў зәрүрлиги тийкарлары; нызам жойбарының тийкарғы қағыйдалары; келешектеги нызамның социаллық-экономикалық, ҳуқықый ҳәм басқа ақыбетлериниң болжаўы. 19-статья. Нызам жойбарларына қойылатуғын тийкарғы талаплар Нызам жойбарларын таярлаўда Өзбекстан Республикасының Конституциясы, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы, нызамларының ҳәм Өзбекстан Республикасы халықаралық шәртнамаларының принциплери ҳәм нормалары есапқа алынады. Нызам жойбарлары нызамшылық техникасы қағыйдаларына муўапық болыўы керек. 20-статья. Нызам жойбарын таярлаўда нызамшылықтың жағдайын ҳәм ҳуқықтың қолланылыўы әмелиятын үйрениў Нызам жойбарын таярлаў нызамшылықтың жағдайын терең үйрениўге, жәмийетлик қатнасықлардың белгили бир тараўын ҳуқықый жақтан тәртипке салыўға кери тәсир көрсетип атырған кемшиликлер ҳәм қарама-қарсылықларды анықлаўға, сондай-ақ, ҳәрекеттеги нызам ҳүжжетлериниң қолланылыў әмелиятын таллаўға тийкарланады. 21-статья. Нызам жойбарларын таярлаўда халықаралық тәжирийбени есапқа алыў Нызам жойбарларын таярлаўда халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери ҳәм нормалары есапқа алынады, сондай-ақ, нызам менен тәртипке салыў бойынша басқа мәмлекетлер тәжирийбеси үйрениледи. 22-статья. Нызам жойбарын таярлаўда жәмийетшилик пикирин үйрениў Нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти нызам жойбарын Жоқарғы Кеңеске усынғанға шекем жәмийетшилик пикирин үйрениўди шөлкемлестириўге ҳақылы. Нызам жойбары бойынша жәмийетшилик пикирин үйрениў тәртиби ҳәм формасы нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти тәрепинен белгиленеди. Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртибиниӊ жаӊа түрлерин енгизиўди нәзерде тутыўшы нызам жойбарларын тәртипке салыў тәсири баҳалаўдан өткериледи. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) Усы статьяныӊ екинши бөлиминде нәзерде тутылған нызам жойбарларыныӊ тәртипке салыў тәсирин баҳалаў оларды ҳуқықый экспертизадан өткерилгенге шекем әмелге асырылады. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) 23-статья. Нызам жойбарын пикир-усыныс алыў ушын жибериў Нызам жойбары нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти тәрепинен басқа нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлерине, сондай-ақ, мәпдар мәмлекетлик уйымларға, мәмлекетлик емес шөлкемлерге, илимий мәкемелерге пикир-усыныс алыў ушын жиберилиўи мүмкин. Нызам жойбары тек нызам жойбары бойынша жумыслар тамамланғаннан соң ҳәм ол бойынша экспертиза өткерилгеннен кейин нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти тәрепинен пикир-усыныс алыў ушын жибериледи.III. НЫЗАМ ЖОЙБАРЛАРЫНЫҢ МАЗМУНЫНА ҚОЙЫЛАТУҒЫН ТИЙКАРҒЫ ТАЛАПЛАР. НЫЗАМ ЖОЙБАРЛАРЫНЫҢ ЭКСПЕРТИЗАСЫ
24-статья. Нызам жойбарларының формасы Тәртипке салынатуғын қатнасықлардың өзине тән өзгешеликлерине байланыслы ҳалда нызам жойбарлары төмендеги формада ислеп шығылады: 1) Қарақалпақстан Республикасы конституциялық нызамлары ҳәм нызам жойбарлары; 2) Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына, Қарақалпақстан Республикасы конституциялық нызамларына ҳәм де нызамларына өзгерис, қосымша ҳәм дүзетиўлер киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарлары; 3) Қарақалпақстан Республикасы нызамларын яки олардың айырым нормаларын өз күшин жойтқан деп табыў ҳаққындағы нызам жойбарлары. 25-статья. Нызам жойбарының дүзилиси Нызам жойбары, әдетте, бөлимлер, киши бөлимлер, баплар ҳәм параграфларға ажыратылады, мақсетлери бойынша түсиндириўди қамтып алған алғы сөзге ийе болыўы мүмкин. Ҳуқықый нормалар алғы сөзге киргизилмейди. Бөлимлер, киши бөлимлер, баплар ҳәм параграфлар атамасына ийе болады ҳәм де номерленеди. Нызам жойбарында ҳуқықый нормалар тәртип санына ийе болған статьялар көринисинде баян етиледи. Статьялар бөлимлерге ажыратылыўы мүмкин. Статьялардың бөлимлери бәнтлер, киши бәнтлер ҳәм абзацларды қамтып алыўы мүмкин. Нызам жойбарларының статьяларына, әдетте атама қойылады. Бөлимлер, киши бөлимлер, баплар, параграфлар, статьялар, сондай-ақ, статьялардың бөлимлери, бәнтлери ҳәм киши бәнтлери жойбар темасы логикалық жақтан раўажланып барыўын тәмийинлейтуғын формада избе-из жайластырылады. Нызам жойбарының текстине: нызам жойбарының яки оның айырым қағыйдаларының күшке кириў мүддети ҳәм тәртиби ҳаққында; илгери қабыл етилген нызамларды яки олардың айырым қағыйдаларын усы Нызам қабыл етилиўине байланыслы өз күшин жойтқан деп табыў ҳаққындағы қағыйдалар киргизилиўи мүмкин. Нызамлар жойбарларының текстлеринде тийисли нызамлар қабыл етилгеннен кейин олардың орынлаўын, орынлаўшыларға жеткизилиўин ҳәмде мазмунын ҳәм әҳмийетин халық арасында түсиндирилиўин шөлкемлестириў ушын жуўапкер болған мәмлекетлик уйымлар көрсетиледи. (30.12.2017-ж. 167/XIX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) 26-статья. Нызам жойбары баян етилиўине тийисли талаплар Нызам жойбары қысқа, анық, әпиўайы ҳәм түсиникли тилде, нормаларды ҳәр түрли түсиндириўге жол қоймайтуғын формада юридикалық терминологияға бойсынылған ҳалда баян етиледи. Гөнерген ҳәм де көп мәнисти аңлататуғын сөзлер ҳәм сөз дизбеклери, аллегориялық салыстырыўлар, сыпатлаўлар, ирониялар қолланылыўына жол қойылмайды. 27-статья. Нызам жойбары текстинде түсиниклер ҳәм атамалардан пайдаланыў Нызам жойбарында пайдаланылатуғын түсиниклер ҳәм атамалар ҳәр түрли түсиндириў имканиятына жол қоймайтуғын, олардың нызам ҳүжжетлеринде қабыл етилген мәнисине муўапық бир формада қолланылады. Зәрүр болған жағдайларда, нызам жойбарларында юридикалық, техникалық ҳәм басқа арнаўлы атамалар ҳәм де түсиниклердиң қысқаша тәрийпи бериледи, улыўма қабыл етилген қысқартыўлар қолланылады ҳәм басқа қысқартыўларға түсиниклер бериледи. 28-статья. Нызам жойбарында нусқаўлардан пайдаланыў Нызам жойбарының статьяларында (бөлимлери, бәнтлери, киши бәнтлери, абзацларында) оның басқа статьяларына (бөлимлери, бәнтлери, киши бәнтлери, абзацларына), бөлимлери, киши бөлимлери, баплары, параграфларына, сондай-ақ, басқа нызамларға ҳәм олардың айырым қағыйдаларына нусқаўлар ҳуқықый нормалардың өз-ара байланыслылығын көрсетиў зәрүрлиги болған жағдайларда ямаса тәкирарлаўларға жол қоймаў ушын қолланылады. 29-статья. Нызам жойбарын экспертизадан өткериў Нызам жойбары үстинде жумыс тамамланғанынан соң оның сапасына баҳа бериў ушын нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектиниң шешими бойынша жойбар ҳуқықый ҳәм басқа түрдеги (экономикалық, финанслық, илимий, экологиялық, коррупцияға қарсы ҳәм басқа) экспертизадан да өткерилиўи мүмкин. Экспертлер нызам жойбарының экспертизасы нәтийжелери бойынша тийисли жуўмақларды усынады. (ҚР ЖК 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Экспертлер сыпатында нызам жойбарын таярлаўда тиккелей қатнаспаған шөлкемлер ҳәм (яки) шахслар тартылады. Экспертиза өткериў ушын илимпазлар ҳәм қәнигелер, соның ишинде басқа мәмлекетлер ҳәм де халықаралық шөлкемлерден илимпазлар ҳәм қәнигелер тартылыўы мүмкин. Нызам жойбарының додаланыўы барысында билдирилген яки экспертлердиң жуўмақларында баян етилген усыныслар ҳәм пикирлер усыныс сыпатына ийе болады. Есапқа алынбаған усыныслар ҳәм пикирлер бойынша тийисли түсиндириўлер берилген ҳалда мағлыўматнама дүзиледи. 30-статья. Нызам жойбарының ҳуқықый экспертизасы Нызам жойбары ҳуқықый экспертизадан өткерилиўи шәрт. Ҳуқықый экспертиза өткерилгенде нызам жойбары нормаларының Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларына, нызамшылық техникасы қағыйдаларына муўапықлығы, сондай-ақ, нусқаўшы (силтеўши) нормалар қолланылыўының тийкарлылығы ҳәм мақсетке муўапықлығы тексериледи. Нызам жойбарының ҳуқықый экспертизасы нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектиниң юридикалық хызмети, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм басқа шөлкемлер тәрепинен нызам ҳүжжетлерине муўапық өткерилиўи мүмкин. Бунда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги нызам жойбарларының ҳуқықый экспертизасын басқа түрдеги экспертизалар өткерилгенинен кейин әмелге асырады. 31-статья. Нызам жойбарының финанслық-экономикалық тийкарлары Материаллық қәрежетлер талап етилетуғын нызам жойбарын таярлаўда оған финанслық-экономикалық тийкарлар қосымша етиледи, бул тийкарларды нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлигине келисиў ушын мәжбүрий тәртипте жибереди. Жуўап Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлигине тийисли жазба мүрәжат келип түскен сәнеден баслап отыз күннен кешиктирмей нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектине жиберилиўи керек. Мәмлекет дәраматларын кемейтиў яки мәмлекет қәрежетлерин көбейтиўди, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы бюджети статьялары бойынша өзгертиўлерди нәзерде тутыўшы нызамлардың жойбарлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жуўмағы болыўы зәрүр. Жуўмақ Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине тийисли жазба мүрәжат келип түскен сәнеден баслап отыз күннен кешиктирмей нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектине жиберилиўи керек.IV. НЫЗАМ ЖОЙБАРЛАРЫН ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСКЕ КИРГИЗИЎ ТӘРТИБИ
32-статья. Нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектиниң яки Жоқарғы Кеңес комитетлериниң нызам жойбарын Жоқарғы Кеңеске киргизиў ҳаққындағы шешими Нызам жойбары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети, Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судыныӊ мәжилисинде додаланады ҳәм оны Жоқарғы Кеңеске киргизиў ҳаққындағы мәселе қарап шығылады. Нызам жойбарын Жоқарғы Кеңеске киргизиў ҳаққындағы шешимде нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектиниң ўәкили көрсетиледи, ол нызам жойбарын Жоқарғы Кеңесте қарап шығыўда қатнасады. (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) Нызам жойбарын Жоқарғы Кеңеске киргизиў ҳаққындағы шешим Жоқарғы Кеңес депутаты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы прокуроры тәрепинен жеке тәртипте қабыл етиледи. Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес депутатлары қәнигелестирилиўи бойынша Жоқарғы Кеңес қурамында дүзилген комитетлерге сайланыўы ҳәм өз жумысын комитет қурамында әмелге асырыўы себепли нызам жойбарын Жоқарғы Кеңеске киргизиў ҳаққындағы шешим Жоқарғы Кеңес комитетлери тәрепинен де қабыл етилиўи мүмкин. Бир неше нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлери тәрепинен таярланған нызам жойбарын Жоқарғы Кеңеске киргизиў ҳаққындағы шешим ҳәр бир нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти тәрепинен өз алдына қабыл етиледи. Нызам жойбары ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлер нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлери тәрепинен Жоқарғы Кеңеске мәмлекетлик тиллерде киргизиледи. Бир ўақыттың өзинде олардың басқа тиллердеги аўдармасы усынылыўы мүмкин. 33-статья. Жоқарғы Кеңеске киргизилип атырған нызам жойбарына қосымша етилетуғын ҳүжжетлер Нызам жойбары Жоқарғы Кеңеске киргизилип атырғанда нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти тәрепинен төмендеги ҳүжжетлер усынылыўы керек: 1) нызам жойбарының концепциясы баян етилген түсиндириў хаты; 2) өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы, сондай-ақ, нызам жойбары киргизилиўине байланыслы нызамларды өз күшин жойтқан деп табыў ҳаққындағы нызам жойбары; 3) өзгертилиўи, қосымшалар киргизилиўи, өз күшин жойтқан деп табылыўы яки қабыл етилиўи керек болған нызамасты ҳүжжетлериниң дизими; 4) материаллық қәрежетлер талап етилетуғын нызам жойбарлары ушын финанслық-экономикалық тийкарлар; 5) мәмлекет дәраматларын кемейтиў яки мәмлекет қәрежетлерин көбейтиўди, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы бюджети статьялары бойынша өзгертиўлерди нәзерде тутыўшы нызамлардың жойбарлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жуўмағы. Нызам жойбары нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти тәрепинен Жоқарғы Кеңес Президиумына киргизилип атырғанда усы уйымлардың нызам жойбарын Жоқарғы Кеңес Президиумына киргизиў ҳаққындағы тийисли шешими усынылыўы керек. Нызам жойбары текстиниң ҳәм усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған материаллардың нусқалары электрон формада усынылыўы керек. 34-статья. Жоқарғы Кеңеске киргизилген нызам жойбары текстин нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти тәрепинен өзгертиў Нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти Жоқарғы Кеңеске өзи киргизген нызам жойбары текстин нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилиўине шекем өзгертиўге ҳақылы. 35-статья. Жоқарғы Кеңеске киргизилген нызам жойбарын нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти тәрепинен шақырып алыў Нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти Жоқарғы Кеңеске өзи киргизген нызам жойбарын усы жойбар қабыл етилиўине шекем шақырып алыўға ҳақылы. Егер нызам жойбары бир неше нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлери тәрепинен киргизилген ҳәм усы субъектлердиң ҳәммеси жойбарды шақырып алыў ҳаққында шешим қабыл еткен болса, нызам жойбары шақырып алынған деп есапланады. 36-статья. Нызам жойбарын Жоқарғы Кеңеске қайта киргизиў Нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлери Жоқарғы Кеңестиң усынысларын есапқа алған ҳалда толық ислеп шығылған нызам жойбарын қайта киргизиўге ҳақылы. 37-статья. Нызам жойбарларын Жоқарғы Кеңесте додалаў Жоқарғы Кеңеске киргизилген нызам жойбарлары Жоқарғы Кеңестиң Регламенти қағыйдаларына муўапық додаланады.V. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ ҚАҒЫЙДАЛАР
38-статья. Нызам ҳүжжетлерин усы нызамға муўапықластырыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: ҳүкимет қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын; мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы болған өз норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин қайта көрип шығыўы ҳәм бийкар етиўин тәмийинлесин. 39-статья. Усы Нызамның күшке кириўи Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов