Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

НОРМАТИВЛИК ҲУҚЫҚЫЙ АКТЛЕР ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ

НОРМАТИВЛИК ҲУҚЫҚЫЙ АКТЛЕР ҲАҚҚЫНДА

1-бап. Улыўма режелер

 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети нормативлик ҳуқықый актлер түсинигин, түрлерин, усы актлердиң  өз-ара юридикалық күши ҳәм өз-ара байланысын анықлаўдан, сондай-ақ оларды жобаластырыў, баслама көтериў, таярлаў, экспертизадан өткериў, келисиў, қабыл етиў, жәриялаў, олардың орынланыўын шөлкемлестириўди тәмийинлеў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Нормативлик ҳуқықый актлер ҳаққындағы нызамшылық Нормативлик ҳуқықый актлер ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық актлеринен ибарат. 3-статья. Нормативлик ҳуқықый акт түсиниги Нормативлик ҳуқықый акт – нызамшылыққа муўапық қабыл етилген, улыўма мәжбүрий мәмлекетлик көрсетпелер сыпатында ҳуқықый нормаларды белгилеўге, өзгертиўге ямаса бийкар етиўге қаратылған рәсмий ҳүжжет  болып табылады. 4-статья. Нормативлик ҳуқықый актлерди қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйымлар яки лаўазымлы шахслар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары нормативлик ҳуқықый актлерди қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйымлар ямаса лаўазымлы шахслар болып табылады. Пуқаралар Қарақалпақстан Республикасыныӊ «Қарақалпақстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы Нызамында белгиленген тәртипте өткерилетуғын референдум жолы менен нормативлик ҳуқықый актлер қабыл етиўи мүмкин. Қарақалпақстан Республикасыныӊ министрликлери, мәмлекетлик комитетлери ҳәм ведомстволары ҳәм де қалалық ҳәм районлық бөлимлери нормативлик ҳуқықый актлер қабыл етиў ҳуқықына ийе емес.  5-статья. Усы Нызамның тийкарғы принциплери Усы Нызамның тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат: конституциялылық; нызамлылық; физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм де нызамлы мәплерин, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерин қорғаў ҳәм олардың үстинлиги; жәриялылық; илимийлик; жәмийетлик қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыўдың системалылығы ҳәм комплекслилиги; жәмийетлик қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыўдың турақлылығы.

2-бап. Қарақалпақстан Республикасының нызамшылық системасы

6-статья. Нормативлик ҳуқықый актлердиң түрлери Нормативлик ҳуқықый актлер төмендегилерден ибарат: Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы; Қарақалпақстан Республикасы нызамлары; Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси қарарлары; Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарлары; жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарлары. 7-статья. Қарақалпақстан Республикасы нызамшылығы Нормативлик ҳуқықый актлер нызамшылық актлери болып, олар Қарақалпақстан Республикасының нызамшылығын пайда етеди. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси қарарлары нызам актлери болып табылады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарлары нызам асты актлери болып табылады. 8-статья. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясыныӊ ҳәм нызамлардың үстинлиги Қарақалпақстан Республикасында Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Конституциялары ҳәм нызамларының үстинлиги сөзсиз тән алынады. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы жоқары юридикалық күшке ийе ҳәм Қарақалпақстан Республикасының пүткил аймағында қолланылады. Қарақалпақстан Республикасында нызамлар ҳәм басқа да нормативлик ҳуқықый актлер Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы тийкарында ҳәм де оның орынланыўы ушын қабыл етиледи ҳәм оның нормалары және принциплерине қайшы келиўи мүмкин емес. 9-статья. Қарақалпақстан Республикасыныӊ нызамлары Қарақалпақстан Республикасыныӊ нызамлары ең әҳмийетли ҳәм турақлы жәмийетлик қатнасықларды ретлестиреди ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен ямаса референдум өткериў жолы менен қабыл етиледи. Қарақалпақстан Республикасының нызамлары конституциялық нызамлар тәризинде қабыл етилиўи мүмкин. Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилиўин нәзерде тутыўшы Қарақалпақстан Республикасыныӊ нызамлары конституциялық нызамлар тәризинде қабыл етиледи.  10-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Президиумының қарарлары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Президиумы Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конституциялары  ҳәм нызамлары тийкарында ҳәм олардың орынланыўы ушын қарарлар тәризинде нормативлик ҳуқықый актлер қабыл етеди.  11-статья. Нызам асты актлерин тәртипке салыў шеңберлери Нызам асты актлеринде нызам актлери дәрежесинде тәртипке салыныўы лазым болған мәселелер бойынша нормалар белгилениўине жол қойылмайды.  12-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарлары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасыныӊ Конституциялары ҳәм нызамлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Президиумының қарарлары тийкарында ҳәм олардың орынланыўы ушын қарарлар тәризинде нормативлик ҳуқықый актлер қабыл етеди.  13-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарлары Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслери өз ўәкилликлери шеңберинде қарар тәризинде нормативлик ҳуқықый актлер қабыл етеди. Район, қала ҳәкими өз ўәкилликлери шеңберинде қарар тәризинде нормативлик ҳуқықый актлер қабыл етеди. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарлары Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Президиумының қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарарлары, сондай-ақ жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттан жоқары турыўшы уйымлардың қарарлары тийкарында ҳәм олардың орынланыўы ушын қабыл етиледи. 14-статья. Нормативлик ҳуқықый актлер менен тастыйықланатуғын режелер, қағыйдалар, көрсетпелер ҳәм басқа да актлер Нормативлик ҳуқықый актлер менен усы актлердиң қурамлы бөлеги болған режелер, қағыйдалар, көрсетпелер, регламентлер, концепциялар, бағдарламалар («жол картасы») ҳәм басқа да ҳүжжетлер тастыйықланыўы мүмкин. Реже мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң, олар қурамлы бөлимлериниң статусын, тийкарғы ўазыйпаларын, функцияларын, ҳуқық ҳәм миннетлерин, хызметин шөлкемлестириў тәртибин, сондай-ақ социаллық қатнасықларды тәртипке салыў тәртибин белгилейди. Қағыйдалар қандай да бир хызметти әмелге асырыўға тийисли талапларды белгилейди. Көрсетпелер нормативлик ҳуқықый актлерди қоллаўдың анықластырыўшы тәреплерин белгилейди. Регламент мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумыс тәртибин, сондай-ақ мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен ҳәкимшилик тәртип-принциплерин әмелге асырыў тәртибин белгилейди. Концепция ол яки бул тараўдағы мәмлекетлик сиясатының ең зәрүр үстинликлерин, мақсетлерин, тийкарғы бағдарларын, ўазыйпаларын ҳәм әмелге асырылыў механизмлерин белгилейди. Бағдарлама («жол картасы») ол яки бул тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың мақсетлерине ерисиўин тәмийинлейтуғын илажлар (ўазыйпалар, әмелге асырыў мүддетлери, қаржыландырыў дереклери ҳәм жуўапкер орынлаўшылар бойынша өз-ара байланыслы болған илажлар) ҳәм механизмлер системасын белгилейди.  15-статья. Нормативлик ҳуқықый актлердиң өз-ара қатнасы Ҳәр қыйлы нормативлик ҳуқықый актлердиң юридикалық күши бойынша өз-ара қатнасы Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына, нормативлик ҳуқықый актти қабыл еткен уйымлардың ўәкиллиги ҳәм статусына, усы актлердиң түрлерине, сондай-ақ нормативлик ҳуқықый акт қабыл етилген сәнеге муўапық белгиленеди. Нормативлик ҳуқықый акт өзине салыстырғанда жоқары юридикалық күшке ийе болған нормативлик ҳуқықый актлерге муўапық болыўы керек. Нормативлик ҳуқықый актлер арасында сәйкес келмеўшиликлер пайда болған жағдайда, жоқары юридикалық күшке ийе болған Нормативлик ҳуқықый акт қолланылады. Бирдей юридикалық күшке ийе болған нормативлик ҳуқықый актлер арасында сәйкес келмеўшиликлер пайда болған жағдайда, кейинирек қабыл етилген нормативлик ҳуқықый акт қағыйдалары ҳәрекет етеди.

3-бап. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын  жобаластырыў, басламалық етиў ҳәм таярлаў

 16-статья. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын таярлаўды жобаластырыў Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын таярлаўды жобаластырыў, әдетте, ҳуқықый жақтан тәртипке салыўды талап етилетуғын машқалаларды анықлаў ҳәм анализлеў жуўмақлары бойынша таярланатуғын норма дөретиўшилиги жумысының жобалары (бағдарламалары) шеңберинде әмелге асырылады. Нормативлик ҳуқықый актлерди қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйымлар жәмийетлик қатнасықларды ҳуқықый тәртипке салыў яки нызамшылық нормаларын жетилистириў мақсетинде нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын таярлаўдың  ағымдағы (ярым жыллық ҳәм жыллық) ҳәм келешекке (бир жылдан артық мүддетке) мөлшерленген жобаларын (бағдарламаларын) ислеп шығыўы ҳәм тастыйықлаўы мүмкин. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын таярлаўды жобаластырыўда (бағдарламаларда) төмендегилер көрсетиледи: нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларының атамасы; жәмийетлик қатнасықлардың ол яки бул тараўын ҳуқықый жақтан тәртипке салыў жағдайыныӊ тәрийплемеси; ҳуқықый жақтан тәртипке салыўды талап ететуғын машқалалардыӊ тәрийплемеси, олардыӊ келип шығыў себеплери ҳәм шараятларыныӊ анализи; ҳуқықый жақтан тәртипке салыўды талап ететуғын машқалалардыӊ келип шығыў себеплери ҳәм шараятларын сапластырыўға қаратылған нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын қабыллаў зәрүрлигиниӊ тийкары; финанслық-экономикалық есап-китаплар - материаллық қәрежетлерди талап етиўши нормативлик ҳуқықый актлер жойбарлары ушын; нормативлик ҳуқықый актлердиң түрлери; нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын таярлаў мүддетлери; нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын таярлаў ушын жуўапкер болған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер; нормативлик ҳуқықый актлер қабыл етилген жағдайда, күтилетуғын нәтийжелер, сондай-ақ, тәртипке салыў тәсирин баҳалаў өткерилген жағдайда оның нәтийжелери. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын таярлаўды жобаластырыў тәртиби нормативлик ҳуқықый актлерди қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйым яки нормативлик ҳуқықый актлердиң  жойбарын таярлаўды әмелге асырыўшы шөлкем (буннан былай текстте ислеп шығыўшы деп жүритиледи) тәрепинен белгиленеди. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын таярлаў жобалары (бағдарламалары) мәжбүрий тәртипте нормативлик ҳуқықый актлер қабыл етиў ҳуқықына ийе болған тийисли уйымлардың рәсмий веб-сайтларында жәрияланады. 17-статья. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын таярлаўдыӊ басламасы Қарақалпақстан Республикасының нызам актлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Президиумының қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарарларыныӊ жойбарларын таярлаў басламасы тек ғана, егерде мәмлекетлик уйымларда көтерилип атырған мәселелерди яки машқалаларды нызамшылықта нәзерде тутылған механизмлер ҳәм ҳәкимшилик тәртип арқалы шешиў ўәкилликлери болмаса, жол қойылады. Физикалық ҳәм юридикалық шахслар тийисли мәмлекетлик уйымларына нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын таярлаў ҳаққында усыныслар киргизиўге ҳақылы. 18-статья. Нормативлик ҳуқықый акт жойбарын таярлаў Нормативлик ҳуқықый акт жойбарын таярлаў төмендеги басқышлардан ибарат: нормативлик ҳуқықый акт жойбарын таярлаў ҳаққындағы усынысты қарап шығыў ҳәм оны таярлаў ҳаққында қарар қабыл етиў; нормативлик ҳуқықый акт жойбарын таярлаўды шөлкемлестириўшилик-техникалық ҳәм финанслық жақтан тәмийинлеў; нормативлик ҳуқықый акт жойбарын таярлаў ушын зәрүр болған материалларды ҳәм мағлыўматларды топлаў; тәртипке салыў тәсирин баҳалаўдан өткериў; жеңилликлер белгилеўдиң ҳәм де Қарақалпақстан Республикасыныӊ бюджетинен қаржылар ажыратыўдың мақсетке муўапықлығын тийкарлаў; нормативлик ҳуқықый акт жойбарының текстин таярлаў; ҳуқықый ҳәм басқа зәрүр экспертизаны өткериў; нормативлик ҳуқықый акт жойбарына тийисли түсиндириў хатын жойбардыӊ концепциясын баян еткен халда таярлаў; Нормативлик ҳуқықый акт жойбары мәмлекетлик тилде таярланады. Зәрүр болғанда, ол басқа тилге аўдарма етилиўи мүмкин. Нормативлик ҳуқықый акт жойбарын ислеп шығыўшы тәрепинен таярлаў ҳәм де тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине киргизиў мүддети, егер Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарарлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң актлеринде басқа мүддет белгиленбеген болса, еки айдан кем етип белгилениўи мүмкин емес. Қарақалпақстан Республикасы нызамларының жойбарларын таярлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине киргизиўдиӊ өзгешеликлери «Қарақалпақстан Республикасы Нызам жойбарларын таярлаў ҳәм Жоқарғы Кеңеске киргизиў тәртиби ҳаққында»ғы ҳәм «Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамлары менен белгиленеди. 19-статья. Нормативлик ҳуқықый акт жойбарын таярлаўды шөлкемлестириў Нормативлик ҳуқықый акт жойбарын таярлаў ушын жойбарды ислеп шығыўшы тәрепинен исши топар (комиссия) дүзилиўи мүмкин. Исши топар (комиссия) қурамына ислеп шығыўшының тийисли бөлимшелериниң, тийисли тараўлардың жағдайы ҳәм раўажланыўы ушын жуўапкер болған министрликлердиң, мәмлекетлик комитетлердиң яки ведомстволардың, басқа да мәпдар мәмлекетлик уйымлардың, илимий ҳәм басқа да шөлкемелердиң ўәкиллери, сондай-ақ, пуқаралар киргизилиўи мүмкин. Бунда мәмлекетлик емес шөлкемлердиӊ ўәкиллери, сондай-ақ, пуқаралардыӊ өз келисими менен исши топар (комиссия) қурамына киргизиледи. Исши топар (комиссия) ағзалары нормативлик ҳуқықый акт жойбарын таярлаў ушын зәрүр болған тийисли билим ҳәм тәжирийбеге ийе болыўы керек. Ислеп шығыўшы тәрепинен исши топардың (комиссияның) жумыс алып барыўын тәмийинлеў ушын мәмлекетлик уйымлардан ҳәм басқа да шөлкемлерден нормативлик ҳуқықый акт жойбарын таярлаў ушын зәрүр болған материалларды, статистикалық мағлыўматларды ҳәм басқа да мағлыўматларды алыўға, нормативлик ҳуқықый акттиӊ жойбары бойынша илимий ҳәм басқа шөлкемелердиң, алымлар ҳәм қәнигелердиң мәсләҳәтлери ҳәм де усынысларын, сондай-ақ, экспертлердиң жуўмақларын алыўға ҳақылы. Нормативлик ҳуқықый актти қабыл етиў ҳуқықына ийе болған  уйым, зәрүр жағдайларда, нормативлик ҳуқықый акт жойбарын таярлаўды мәмлекетлик уйымларға, илимий ҳәм басқа шөлкемлерге, айырым пуқараларға белгиленген тәртипте өз ўәкилликлери шеңберинде тапсырыўға яки оларға шәртнама тийкарында буйыртпа бериўге ҳақылы. Нормативлик ҳуқықый актти қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйым, зәрүр жағдайларда, нормативлик ҳуқықый актлердиң альтернативлик жойбарларын таярлаўды бир неше мәмлекетлик уйымға, илимий ҳәм басқа да шөлкемлерге, айырым пуқараларға белгиленген тәртипте, өз ўәкилликлери шеңберинде тапсырыўға яки олар менен шәртнама тийкарында буйыртпа бериўге, сондай-ақ ең жақсы нормативлик ҳуқықый акт жойбарын таярлаў ушын таңлаўлар өткериўге ҳақылы. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының нормативлик ҳуқықый актлери жойбарларын таярлаў бойынша жумысын муўапықластырыў Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен әмелге асырылады. 20-статья. Нормативлик ҳуқықый акт жойбарын таярлаўда нызамшылықтыӊ жағдайын, қолланылыў әмелиятын, жәмийетлик пикирин ҳәм халықаралық тәжирийбени үйрениў Нормативлик ҳуқықый акт жойбарын таярлаўда ислеп шығыўшы: нызамшылықтыӊ жағдайын, нормативлик ҳуқықый акт жойбарының ҳуқықый жақтан тәртипке салыў предмети бойынша қолланылыў әмелиятын үйренеди; жәмийетлик қатнасықлардың белгили бир тараўын ҳуқықый жақтан тәртипке салыўға кери тәсирин көрсетип атырған бослықлар ҳәм қарама-қарсылықларды, сондай-ақ, ҳуқықый жақтан тәртипке салыўға болған жәмийетлик талапты, нызамшылықтыӊ нәтийжелилигине тәсир етиўши себеплер ҳәм шараятларды анықлайды; жәмийетлик қатнасықлардың тийисли тараўын тәртипке салыўшы нормативлик ҳуқықый актлерди анықлаў мақсетинде нызамшылықты хатлаўдан өткереди; мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлердиң, сондай-ақ, айырым пуқаралардың усынысларын, ғалаба хабар қуралларының материалларын, илимий ҳәм басқа шөлкемлердиң, алымлар ҳәм қәнигелердиң мәсләҳәтлери ҳәм усынысларын, жәмийетлик пикирин анықлаўшы басқа да қураллардың мағлыўматларын улыўмаластырады ҳәм де олардан пайдаланады; халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплерин ҳәм нормаларын есапқа алады, сондай-ақ, ҳуқықый жақтан тәртипке салыў барысында басқа мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйренеди. нормативлик ҳуқықый акт жойбарының ҳуқықый жақтан тәртипке салыў предметине тийисли илимий излениўлер нәтийжелерин, ғалаба хабар қуралларындағы, Интернет дүнья жүзлик мәлимлеме тармағындағы мақалаларды, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын үйренеди: нормативлик ҳуқықый актти әмелге асырыў ушын зәрүр болатуғын финанслық-экономикалық қәрежетлерге болған талабын, олардың орнын қаплаў муғдарларын ҳәм дереклерин белгилейди. Қарақалпақстан Республикасы нызамларының жойбарлары нызамда белгиленген тәртипте улыўма халықлық додалаўға қойылыўы мүмкин. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарлары жәмийетшилик яки қәнигелер додалаўына қойылады. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларының жәмийетлик додаланыўы мәпдар мәмлекетлик уйымлар, сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары, басқа шөлкемлер ўәкиллери, алымлар, қәнигелер ҳәм пуқаралар қатнасында өткериледи. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларының қәнигелер додалаўына тийисли илим-изертлеў мәкемелериниӊ, тараўлардың ўәкиллери қатнасында өткериледи. Ислеп шығыўшы тәрепинен нормативлик ҳуқықый акт жойбарының тексти менен жәмийетлик яки қәнигелер додалаўы қатнасыўшыларын алдын-ала таныстырылыўы тийис. Нормативлик ҳуқықый акт жойбарының додаланыўы барысында билдирилген усыныслар ҳәм пикирлер усыныс характерине ийе ҳәм де ислеп шығыўшы тәрепинен қарап шығылыўы лазым. Нормативлик ҳуқықый акт жойбарының додалаў материаллары нормативлик ҳуқықый актти қабыл етиўши уйымға қарап шығыў ушын нормативлик ҳуқықый акт жойбарын киргизиў менен бир ўақытта киргизиледи. 21-статья. Нормативлик ҳуқықый акт жойбарларыныӊ жәмийетлик додаланыўы Ислеп шығыўшы тәрепинен нормативлик ҳуқықый актлердиң жойбарлары нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын додалаў порталында (буннан кейин текстте портал деп жүритиледи) жәмийетшилик додалаў өткериў ушын нызамшылықта белгиленген тәртипте жайластырылады. Ислеп шығыўшы нормативлик ҳуқықый акт жойбарын порталға оны нормативлик ҳуқықый акт қабыл етиўши уйымға киргизиўден алдын жайластырады. Ислеп шығыўшы нормативлик ҳуқықый акт жойбарының  порталдағы жәмийетшилик додалаў мүддетин тәртипке салатуғын жәмийетлик қатнасықлардың өзгешелигинен келип шыққан ҳалда белгилейди ҳәм де бул мүддет порталда нормативлик ҳуқықый акт жойбары жайластырылған күннен баслап он бес күннен кем болмаўы керек. Нормативлик ҳуқықый акт жойбары бойынша жәмийетлик додалаўдағы қатнасыўшылардан келип түскен пикир ҳәм усынысларды есапқа алыўды ислеп шығыўшы қабыл етилген пикир ҳәм усынысларға муўапық жойбарды ақырына жеткериў жолы менен әмелге асырады. Келип түскен пикир ҳәм усынысларды қабыл етпеген жағдайда, ислеп шығыўшы оларды қабыл етпегенлигиниң себебин тийкарлап бериўи шәрт. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларының жәмийетшилик додалаў нәтийжелери, әдетте, келип түскен пикир ҳәм усынысларды қарап шығыў нәтийжелери көрсетилген ҳалда тийисли министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, мәкемелер ҳәм басқа шөлкемлер тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигине (ҳуқықый экспертиза ушын) ҳәм де нормативлик ҳуқықый акт қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйымға (қарап шығыў ушын) киргизиледи.

4-бап. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын экспертизадан өткериў ҳәм келисиў

22-статья. Нормативлик ҳуқықый акт жойбарының экспертизасы Нормативлик ҳуқықый акт жойбары ҳуқықый ҳәм коррупцияға қарсы экспертизалардан өткерилиўи шәрт. Нормативлик ҳуқықый акт жойбары ислеп шығыўшының яки нормативлик ҳуқықый актти қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйымның қарарына муўапық экономикалық, финанслық, илимийлик, лингвистикалық, экологиялық экспертизадан, сондай-ақ басқа түрдеги экспертизалардан да өткерилиўи мүмкин. Экспертлер сыпатында нормативлик ҳуқықый акт жойбарын таярлаўда тиккелей қатнаспаған шөлкемлер ҳәм (яки) шахслар қатнастырылады. Экспертиза өткериў ушын илимпазлар ҳәм қәнигелер, соның ишинде, басқа мәмлекетлер ҳәм де халықаралық шөлкемлерден илимпазлар ҳәм қәнигелер қатнастырылыўы мүмкин. Экспертлер нормативлик ҳуқықый акт жойбарына баҳа бериўде ғәрезсиз ҳәм олар экспертиза өткериўди  тапсырған уйымның көз-қарасына байланыслы болмайды. Экспертлердиң нормативлик ҳуқықый акт жойбары бойынша жуўмақлары усыныс характерине ийе ҳәм ислеп шығыўшы яки нормативлик ҳуқықый актти қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйым тәрепинен қарап шығылыўы керек. Жуўмақтың есапқа алынбаған бәнтлери бойынша тийисли түсиндириўлер берген ҳалда мағлыўматнама таярланады. 23-статья. Нормативлик ҳуқықый акт жойбарының ҳуқықый экспертизасы Ҳуқықый экспертиза барысында нормативлик ҳуқықый акт жойбарының Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамларына, оған салыстырғанда жоқары юридикалық күшке ийе болған басқа нормативлик ҳуқықый актлерге, юридикалық-техникалық жақтан рәсмийлестириў талапларына муўапықлығы, сондай-ақ силтеўши нормалар қолланылыўының тийкарлылығы ҳәм де мақсетке муўапықлығы тексериледи. Нормативлик ҳуқықый акт жойбарларының ҳуқықый экспертизасы ислеп шығыўшының яки нормативлик ҳуқықый актти қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйымның юридикалық хызмети, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, оның қалалық, районлық бөлимлери ҳәм басқа да шөлкемлери тәрепинен нызамшылыққа муўапық өткериледи.  24-статья. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм оның қалалық, районлық әдиллик бөлимлери тәрепинен ҳуқықый экспертизадан өткериў Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларының ҳуқықый экспертизасын олар мәпдар шөлкемлер менен келисилгенинен ҳәм басқа түрдеги экспертизалар әмелге асырылғаннан соӊ өткериледи. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларының ҳуқықый экспертизасын, соның ишинде оларда коррупциялық көринислерин, басқа да ҳуқық бузыўшылықлар жүз бериўине шараят жарататуғын, физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын артықша ҳәкимшилик ҳәм басқа шеклеўлерди енгизетуғын қағыйдалар ҳәм нормалар бар-жоқлығын анықлаў, сондай-ақ, зәрүр болған нормаларды бир нормативлик ҳуқықый актте сәўлелендирген ҳәм де тийисли қатнасықларды тәртипке салыўшы басқа нормаларды бийкар еткен ҳалда ҳуқықый экспертизасын өткереди. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасыныӊ нызамлары жойбарларыныӊ ҳуқықый экспертизасын әмелге асырыў барысында усы жойбарлар олардың тиккелей әмел етиўи ҳәм тәкирарланыўшы яки Қарақалпақстан Республикасыныӊ нызам жойбарларыныӊ нормаларына қайшы келиўши нормативлик ҳуқықый актлерин анықлаў ҳәм оларды кейиннен бийкар етиў бойынша баҳалаўы шәрт. Ҳуқықый экспертиза жуўмақларына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен жуўмақ усынылады. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары қарарлары жойбарларының ҳуқықый экспертизасы Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң қалалық, районлық әдиллик бөлимлери тәрепинен әмелге асырылады. 25-статья. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм оның қалалық, районлық әдиллик бөлимлери тәрепинен нормативлик ҳуқықый актлердиӊ жойбарларын ҳуқықый экспертизадан өткериў мүддетлери Қарақалпақстан Республикасы нызамлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Президиумының, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниӊ қарарлары жойбарларының ҳуқықый экспертизасы олар келип түскен сәнеден баслап бес күн ишинде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен әмелге асырылады. Егер усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген нормативлик ҳуқықый актлер жойбарлары қосымша үйрениўди талап етсе, нызамлар, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Президиумының ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниӊ қарар жойбарларын қарап шығыў мүддети бес күнге шекем узайттырылыўы мүмкин. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң қалалық, районлық әдиллик бөлимлери тәрепинен: Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси қарарлары жойбарларының ҳуқықый экспертизасы – еки жумыс күни ишинде; Район, қала ҳәкиминиӊ қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизасы – бес жумыс күни ишинде өткериледи. Нызамшылықта нормативлик ҳуқықый актлердиӊ жойбарларын ҳуқықый экспертизадан өткериўдиң басқа мүддетлери белгилениўи мүмкин. 26-статья. Нормативлик ҳуқықый актлердиң ҳәм олардыӊ жойбарларыныӊ коррупцияға қарсы экспертизасы Нормативлик ҳуқықый актлердиң коррупцияға қарсы экспертизасы коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислеў имканиятын жаратыўшы коррупцияны келтирип шығарыўшы факторларды анықлаў, нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасы болса, олардыӊ қабыл етилиўи коррупциялық жағдайлар ушын имканият жаратыўшы ақыбетлерин улыўма баҳалаў, нормативлик ҳуқықый актлерди қоллаў барысында коррупциялық қәсийетке ийе қәўиплердиң пайда болыў имканиятын прогнозлаў мақсетинде өткериледи. Экспертиза нәтийжелерине муўапық коррупцияны пайда етиўши факторларды сапластырыўға қаратылған усыныслар ислеп шығылады ҳәм илажлар көриледи. Коррупцияға қарсы экспертизасы: нормативлик ҳуқықый актлердиӊ жойбарлары – ислеп шығыўшылар, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм оның районлық, қалалық бөлимлери тәрепинен; нормативлик ҳуқықый актлер - Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм оның қала ҳәм районлық әдиллик бөлимлери тәрепинен өткериледи. Нормативлик ҳуқықый актлердиң ҳәм олардыӊ жойбарларыныӊ коррупцияға қарсы экспертизасы нызамшылықта белгиленген тәртипте мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен жумысыныӊ тийисли бағдарлары бойынша өткериледи. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларының қоррупцияға қарсы экспертизасы нәтийжелерине муўапық тийисли жуўмақ дүзиледи. 27-статья. Нормативлик ҳуқықый актлердиӊ жойбарларын келисиў Нормативлик ҳуқықый актлердиӊ жойбарлары нормативлик ҳуқықый актлер қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйымға киргизилгенге шекем: мәпдар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен; нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларда басқа мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен мәжбүрий тәртипте келисиледи. Келисиў ушын жиберилген нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларына мәпдар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары (айрым жағдайларда – олардың биринши орынбасарлары) тәрепинен: нызам актлери жойбарларына – жети жумыс күни ишинде; Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Президиумының ҳәм де  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарарларыныӊ жойбарларына – үш жумыс күни ишинде: жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарлары жойбарларына – үш жумыс күни ишинде виза қойылады. Нызамшылықта нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын келисиўдиң басқа мүддетлери ҳәм де белгили бир мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен мәжбүрий рәўиште келисиўге байланыслы талаплар белгилениўи мүмкин. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын келисиў нормативлик ҳуқықый актлердиӊ жойбарларын келисиўдиң арнаўлы мәлимлеме системасы арқалы электрон түрде әмелге асырылады. Нормативлик ҳуқықый актлериниӊ жойбарларын келисиў тәртиби нызамшылықта белгиленеди. 28-статья. Нормативлик ҳуқықый актлериниӊ жойбарларын келисиў мүддетлери бузылғанлығы ушын жуўапкершилик Келисиў ушын алынған Нормативлик ҳуқықый акт жойбарын көрип шығыў мүддетлериниң бузылыўына жол қойған мәпдар мәмлекетлик уйымыныӊ ҳәм шөлкеминиң басшысы мәмлекетлик уйымларындағы ҳәм де шөлкемлериндеги атқарыў интизамы шеңберинде жеке жуўапкер болады. Мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыў уйымларында нормативлик ҳуқықый актлериниӊ жойбарларын өз ўақтында қарап шығылыўы ҳәм келисими үстинен қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен әмелге асырылады.

5-бап. Нормативлик ҳуқықый акт жойбарын нормативлик ҳуқықый актти қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйымға киргизиў. Нормативлик ҳуқықый актти қабыл етиў

29-статья. Нормативлик ҳуқықый акт жойбарын нормативлик ҳуқықый актти қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйымға киргизиў Таярланған нормативлик ҳуқықый акт жойбары нормативлик ҳуқықый актти қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйымға  мәмлекетлик тилде киргизиледи. Зәрүр болған жағдайларда, оның басқа тиллердеги аўдармасы усынылыўы мүмкин. Таярланған нормативлик ҳуқықый акт жойбары нормативлик ҳуқықый актти қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйымға Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң ҳуқықый экспертиза нәтийжелери бойынша жуўмағы ҳәм түсиндириў хаты менен киргизиледи. Нормативлик ҳуқықый акт жойбарына нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларда тийисли уйымлардың нормативлик ҳуқықый акт жойбарының тәртипке салыў тәсирин баҳалаў бойынша жуўмақ (есабаты), сондай-ақ финанслық-экономикалық есап-китаплар, статистикалық мағлыўматлары ҳәм оны тийкарлаў ушын мағлыўматлар қосымша етиледи. Ислеп шығыўшы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы нызам жойбарын киргизип атырғанда оны әмелге асырыўға, сондай-ақ, оның мазмунын ҳәм әҳмийетин түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаўға байланыслы илажлар жобасын қосымша етиледи. Ислеп шығыўшы Қарақалпақстан Республикасы нызам жойбарын киргизип атырғанда, Қарақалпақстан Республикасыныӊ басқа нызамларын өз күшин жойытқан деп табыўды нәзерде тутыўшы  Қарақалпақстан Республикасы нызам жойбарлары буннан тысқары, халықаралық актлердиң ҳәм сырт ел мәмлекетлериниӊ нызамшылығыныӊ, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы нызамшылығыныӊ тийисли қағыйдаларын, тийисли халықаралық тәжирийбени Қарақалпақстан Республикасы шараятында қолланыў муўапықлығы ҳаққындағы тийкарлы усынысларды избе-излик тәртибинде көрсеткен ҳалда талланған салыстырмалы кестелерин таярлаўы шәрт. 30-статья. Нормативлик ҳуқықый актти қабыл етиў Нормативлик ҳуқықый акт қарап шығылғаннан кейин нормативлик ҳуқықый актлер қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйым тәрепинен қабыл етиледи. Қағыйдалары нызамда сәўлелениўин тапқан нызам асты актлери өз күшин жойытқан деп табылыўы лазым. Нормативлик ҳуқықый актлерди қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйым тәрепинен нормативлик ҳуқықый акт мәмлекетлик тилинде қабыл етиледи. Зәрүр болғанда ол басқа тиллерге аўдарылыўы мүмкин. Мәмлекетлик тилдеги нормативлик ҳуқықый акт тексти менен оның басқа тилдеги тексти ортасында айырмашылық болған жағдайда, нормативлик ҳуқықый акттиң мәмлекетлик тилиндеги тексти қолланылады. 31-статья. Ҳуқықый эксперимент Нормативлик ҳуқықый актлерди қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйым тәрепинен нормативлик ҳуқықый акт нәтийжелилигин, оның ўақытша әмел етиўин белгили бир аймақта ҳәм (яки) шахслар шеңбери бойынша шекленген ҳалда үйрениў ҳуқықый эксперимент болып табылады. Ҳуқықый эксперимент тамамланғанынан кейин: ҳуқықый эксперимент тәртибинде қабыл етилген нормативлик ҳуқықый актти қоллаў әмелияты, ҳуқықый эксперименттиң унамлы ҳәм кери ақыбетлери, бундай акттиң қолланылыўына тәсир өткерген социаллық ҳәм басқа да факторлар, ҳуқықый эксперимент өткерилиўи мүнәсебети менен сарпланған қәрежетлер ҳәм алынған дәраматлар анализленеди; нормативлик ҳуқықый акт оның әмел етиўи ўақыт бойынша, белгили аймақта ҳәм (яки) шахслар шеңбери бойынша шекленбеген жағдайда қабыл етилгеннен кейин жүзеге келетуғын унамлы ҳәм кери ақыбетлердиң, қәрежетлер ҳәм дараматлардың ҳуқықый эксперимент барысында ерисилген социаллық-экономикалық жуўмақлар ҳаққындағы мағлыўматлар менен тийкарланған прогнозы әмелге асырылады. Ҳуқықый эксперимент нәтийжелерине муўапық нормативлик ҳуқықый акт қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйым тәрепинен нормативлик ҳуқықый актти оның ҳәрекет етиў ўақты бойынша, белгили бир аймақ ҳәм (яки) шахслар шеңбери бойынша шекленбеген ҳалда қабыл етиў мақсетке муўапықлығы ҳаққында қарар қабыл етиледи ямаса ҳуқықый эксперимент нәтийжелерин инабатқа алған ҳалда нызамшылықты жетилистириўге яки нормативлик ҳуқықый акттиң ҳақықый емес деп тән алыныўы бойынша шаралар көриледи. 32-статья. Тәртипке салыў тәсирин баҳалаў Тәртипке салыў  тәсирин баҳалаў нормативлик ҳуқықый акт жойбарының қабыл етилиўи нәтийжесинде жүзеге келиўи мүмкин болған ақыбетлерин ҳәм оның тәртипке салыў мақсетлерине ерисилиўин, сондай-ақ, әмелдеги нормативлик ҳуқықый акттиң усы нормативлик ҳуқықый акт пенен тәртипке салыўшы қатнасықларға тәсириниң нәтийжелилигин анықлаў ҳәм баҳалаўға қаратылған илажлар жыйындысынан ибарат. Исбилерменлик жумысына, пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине ҳәм де қоршаған орталыққа тәсир көрсетиўши нормативлик ҳуқықый актлер ҳәм олардың жойбарлары тәртипке салыў тәсирин баҳалаўдан өткериледи. Тәртипке салыў тәсирин баҳалаў тәртиби нызамшылыққа муўапық белгиленеди.

6-бап. Нормативлик ҳуқықый актлердиң жәрияланыўы, күшке кириўи ҳәм әмел етиўи

33-статья. Нормативлик ҳуқықый акттиң рәсмий текстин тастыйықлаў Нормативлик ҳуқықый акттиң рәсмий тексти оған қол қойыў жолы менен, яғный: Қарақалпақстан Республикасы Нызамы – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы; Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Президиумының қарарлары – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы; Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарлары – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы; жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарлары – тийисли ҳәким тәрепинен тастыйықланады. 34-статья. Нормативлик ҳуқықый актлердиң жәрияланыўына қойылатуғын талаплар Нормативлик ҳуқықый актлер рәсмий басылымларда жәрияланыўы тийис. Рәсмий жәрияланбаған нызам тийкарында ҳеш ким ҳүким етилиўи, жазаға тартылыўы, мүлкинен ямаса қандай да бир ҳуқықынан айрылыўы мүмкин емес. Нормативлик ҳуқықый акт баянланған түринде рәсмий жәрияланыўына жол қойылмайды. Нормативлик ҳуқықый акт рәсмий жәрияланғанда оның барлық реквизитлери көрсетиледи. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының нормативлик ҳуқықый актлери текстлериниң электрон нусқалары оларды қабыл еткен уйымлардың рәсмий веб-сайтларына нормативлик ҳуқықый акт рәсмий жәрияланғаннан кейин бир күн ишинде жайластырылыўы шәрт. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының нормативлик ҳуқықый актлери текстлериниң электрон нусқаларын жәриялаў тәртиби нызамшылықта  белгиленеди. Нормативлик ҳуқықый актлерди рәсмий емес басылымларда жәриялаўға, сондай-ақ оларды нызамлардың электрон мағлыўмат системасы арқалы тарқатыўға нормативлик ҳуқықый акт рәсмий дереклерде жәрияланғаннан кейин, олардың барлық реквизитлерин, олар жәрияланған рәсмий дереклерди ҳәм олардың өз күшине кириў сәнесин көрсетиў шәрти менен жол қойылады. Бунда рәсмий басылымларда жәрияланған нормативлик ҳуқықый акт текстиниң анық тәкирарланыўы тәмийинлениўи тийис. Нормативлик ҳуқықый актлердиң жәрияланыўы олар қолланылыўының мәжбүрий шәрти болып есапланады. 35-статья. Нормативлик ҳуқықый актлер жәрияланатуғын рәсмий дереклер  «Еркин Қарақалпақстан», «Вести Каракалпакстана» ҳәм «Qoraqalpog‘istontongi» газеталары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ рәсмий веб-сайты, Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Президиумының қарарлары жәрияланатуғын рәсмий дереклер болып табылады. «Еркин Қарақалпақстан», «Вести Каракалпакстана» ҳәм «Qoraqalpog‘istontongi» газеталары, «Өзбекстан Республикасы нызамшылық мағлыўматлар миллий базасы» ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң рәсмий веб-сайты Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарлары жәрияланатуғын рәсмий дереклер болып табылады. «Өзбекстан Республикасы нызамшылық мағлыўматлар миллий базасы», сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының рәсмий басылымлары ҳәм рәсмий веб-сайты усы уйымлардың қарарлары жәрияланатуғын рәсмий дереклер болып табылады. 36-статья. Нормативлик ҳуқықый актлердиң күшке кириўи Нормативлик ҳуқықый актлер, егер актлердиң өзинде кеширек мүддет көрсетилмеген болса, олар рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди. Исбилерменлик жумысын әмелге асырыў тәртибин қыйынластырыўын ҳәм исбилерменлик жумысы субъектлери жуўапкершилигине жаңа миннетлемелер жүклетилиўин нәзерде тутыўшы,  сондай-ақ, олардың жуўапкершилигине байланыслы жаңа шараларды белгилейтуғын нормативлик ҳуқықый актлер рәсмий жәрияланған күннен баслап кеминде үш айдан кейин күшке киреди. 37-статья. Нормативлик ҳуқықый актлердиң арқаға қайтыў күши Нормативлик ҳуқықый актлер арқаға қайтыў күшине ийе емес ҳәм олар ҳәрекетке енгизилгеннен кейин жүзеге келген жәмийетлик қатнасықларға қолланылады, усы статьяның екинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. Қарақалпақстан Республикасының нызамы ҳәрекетке енгизилгенге шекем жүзеге келген жәмийетлик қатнасықларға,  нызамда тиккелей нәзерде тутылған жағдайларда ғана қолланылады. Егер нызамда усы нызам ҳәрекет исленген ўақытта жуўапкершиликке себеп болмаған яки жеӊилирек жуўапкершиликке себеп болған ҳәрекетлер ушын юридикалық ҳәм физикалық шахслардыӊ жуўапкершилигин енгизиўди ямаса күшейттириў нәзерде тутылса, сондай-ақ, егер нызамныӊ қолланылыўы нәтийжесинде юридикалық ҳәм физикалық шахсларға материаллық зыян жеткизсе, нызам арқаға қайтыў күшин бериўи мүмкин емес. 38-статья. Нормативлик ҳуқықый акттиң аймақ бойынша ҳәрекет етиўи Нормативлик ҳуқықый акттиң аймақ бойынша ҳәрекет етиўи нормативлик ҳуқықый актти қабыл еткен уйымның юрисдикциясы менен белгиленеди. Нормативлик ҳуқықый актти қабыл еткен уйым оның аймақ бойынша ҳәрекет етиў саласын шеклеп қойыўы мүмкин. 39-статья. Нормативлик ҳуқықый  акттиң ўақыт бойынша ҳәрекет етиўи Нормативлик ҳуқықый акт, егер оның текстинде басқаша түсиндирме берилмеген болса, мүддетсиз ҳәрекет етеди. Нормативлик ҳуқықый акттиң ҳәрекет етиў мүддети толық акт ушын яки оның айырым бөлими ушын белгилениўи мүмкин. Бундай жағдайда нормативлик ҳуқықый акт ямаса оның бөлими қайсы мүддетке яки қандай ҳәдийсе жүз бергенге дейин өз күшин сақлап қалыўы көрсетилиўи керек. Нормативлик ҳуқықый актти қабыл еткен уйым белгиленген мүддет тамам болғанға дейин яки ҳәдийсе жүз бергенге шекем акттиң яки оның бөлиминиң ҳәрекет етиўин жаңа мүддетке, басқа ҳәдийсе жүз бергенге шекем созыў ҳаққында ямаса нормативлик ҳуқықый акт нызамшылыққа, өткерилип атырған реформалардың баслы бағдарларына, жәмийеттеги турақлы ҳуқықый қатнасықларға муўапық болған жағдайда нормативлик ҳуқықый актке (оның бөлимине) мүддетсиз түс бериў ҳаққында қарар қабыл етиўи мүмкин. 40-статья. Нормативлик ҳуқықый акттиң шахслар шеңбери бойынша ҳәрекет етиўи Нормативлик ҳуқықый акттиң ҳәрекет етиўи Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары ҳәм юридикалық шахсларына, сондай-ақ өз хызметин Қарақалпақстан Республикасы аймағында әмелге асырып атырғанда сырт ел юридикалық шахсларына, Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға, егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса қолланылады. 41-статья. Нормативлик ҳуқықый акттиң ҳәрекет етиўиниң тоқтатып турылыўы ҳәм тоқтатылыўы Нормативлик ҳуқықый акттиң яки оның бир бөлиминиң ҳәрекет етиўи оны қабыл еткен уйым ямаса оның жоқары турыўшы уйымы тәрепинен анық мүддетке яки белгили бир ҳәдийсе жүз бергенге шекем тоқтатып турылыўы мүмкин. Нормативлик ҳуқықый акт яки оның бир бөлими төмендеги жағдайларда өзиниң ҳәрекет етиўин тоқтатады: нормативлик ҳуқықый акт яки оның бир бөлими қайсы мүддет яки ҳәдийсе жүз бериўи ушын мөлшерленген болса, сол мүддет тамам болғанда яки ҳәдийсе жүз бергенде; нормативлик ҳуқықый акт яки оның бир бөлими нызамда белгиленген тәртипте Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Конституцияларына қайшы ямаса ҳақыйқый емес деп табылғанда; нормативлик ҳуқықый акт яки оның бөлими өз күшин жойытқан деп табылғанда; нормативлик ҳуқықый акт яки оның бөлими бийкар етилгенде. 42-статья. Жаңа нормативлик ҳуқықый акт қабыл етилиўине байланыслы бурын қабыл етилген нормативлик ҳуқықый актлерди қайта қарап шығыў Жаңа нормативлик ҳуқықый акт қабыл етилиўине байланыслы бурын қабыл етилген нормативлик ҳуқықый актлерге зәрүрли өзгерислер ҳәм (яки) қосымшалар киргизиледи ҳәм бурын қабыл етилген барлық актлер яки олардың бөлимлери, егер олар жаңа ҳуқықый нормаларға қайшы болса ямаса жаңа акт пенен толық қамтып алынған яки ҳәрекетте өз әҳмийетин жойытқан, бирақ рәсмий түрде өз күшин жойытқан деп табылмаған болса, өз күшин жойытқан деп табылыўы керек. Теңдей юридикалық күшке ийе болған нормативлик ҳуқықый актлерге киргизилип атырған өзгерислер ҳәм (яки) қосымшалар, өз күшин жойытқан деп табылып атырған теңдей юридикалық күшке ийе болған нормативлик ҳуқықый актлер яки олардың бөлимлериниң дизими нормативлик ҳуқықый акттиң өзинде көрсетилиўи керек. Нормативлик ҳуқықый акт қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен өзгерислер, қосымшалар киргизилиўи яки өз күшин жойытқан деп табылыўы тийис болған теңдей юридикалық күшке ийе болған нормативлик ҳуқықый актлер яки олардың бөлимлери саны жүдә көп болған жағдайда, усы өзгерислер ҳәм қосымшалар, сондай-ақ өз күшин жойытқан деп табылыўы тийис болған нормативлик ҳуқықый актлер дизими өз алдына акт сыпатында рәсмийлестириледи. Бундай акт жойбары ислеп шығыўшы тәрепинен таярланады ҳәм нормативлик ҳуқықый акт жойбары менен бир ўақытта усынылады. 43-статья. Нормативлик ҳуқықый актлер текстлерин тарқатыў Нормативлик ҳуқықый актлер текстлерин тарқатыў нормативлик ҳуқықый акт тексти менен тосқынлықсыз танысыў имканиятын тәмийинлейтуғын ҳәр қандай формаларда әмелге асырылыўы мүмкин. Нормативлик ҳуқықый актлер текстлерин тарқатыў тәртиби нызам актлерине муўапық белгиленеди.

7-бап. Нормативлик ҳуқықый актлердиң орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм тәмийинлеў

 44-статья. Нормативлик ҳуқықый актлердиң орынланыўын шөлкемлестириўши ҳәм тәмийинлеўши уйымлар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларының, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Президиумы қарарларының, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарарларының Қарақалпақстан Республикасы аймағында орынланыўын шөлкемлестиреди ҳәм тәмийинлейди. Министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм ведомстволар, олардың лаўазымлы шахслары өзлериниң ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша нормативлик ҳуқықый актлердиң орынланыўын шөлкемлестиреди ҳәм де тәмийинлейди. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тийисли аймақта нормативлик ҳуқықый актлердиң орынланыўын тийисли аймақта шөлкемлестиреди ҳәм тәмийинлейди. 45-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң нормативлик ҳуқықый актлердиң орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм тәмийинлеў барысындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси өзиниң ўәкилликлери шеңберинде: нормативлик ҳуқықый актлердиң өз ўақтында орынланыўына қаратылған зәрүрли илажларды ислеп шығады ҳәм (яки) қарарлар қабыл етеди; министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм ведомстволардың жумысын муўапықластырады ҳәм бағдарлайды, олардың нормативлик ҳуқықый актлерди орынлаўдағы ўәкилликлерин белгилейди; Қарақалпақстан Республикасы нызамларын ҳәм басқа да нормативлик ҳуқықый актлерин орынлаў ушын жуўапкершилик жүклетилетуғын министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, ведомстволар ҳәм де лаўазымлы шахсларды белгилейди; нормативлик ҳуқықый актлердиң өз ўақтында орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызамшылық актлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. 46-статья. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң нормативлик ҳуқықый актлердиң орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм де тәмийинлеў барысындағы  ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги өз ўәкилликлери шеңберинде: нормативлик ҳуқықый актлердиң орынланыў мәселелери бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге түсиндириўлер береди ҳәм зәрүр жәрдем көрсетеди; нормативлик ҳуқықый актлердиң мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен орынланыў мәселелерине тийисли методикалық көрсетпелер ислеп шығады; нормативлик ҳуқықый актлердиң мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен орынланыўын мониторинг етеди, анализлейди ҳәм усы тараўдағы мәселелерди сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығады; мәмлекетлик басқарыў уйымларының нормативлик ҳуқықый актлериниӊ орынланыўы бойынша хызметин муўапықластырыўды әмелге асырады; мәмлекетлик басқарыў уйымларында ҳәм шөлкемлерде нормативлик ҳуқықый актлер бойынша орынлаў интизамыныӊ жағдайларын үйренеди, соныӊ тийкарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығына ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине киргизиў ушын мәлимлеме-таллаў ҳүжжетлерин таярлайды. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. 47-статья. Министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм ведомстволардың нормативлик ҳуқықый актлердиң орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм де тәмийинлеў барысындағы ўәкилликлери Министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм ведомстволар өз ўәкилликлери шеңберинде: нормативлик ҳуқықый актлердиң өз ўақтында орынланыўына қаратылған зәрүр илажларды ислеп шығады ҳәм (яки) шаралар көреди; Қарақалпақстан Республикасы нызамлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Президиумы қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарарларының орынланыўына қаратылған зәрүр нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларының ислеп шығылыўын әмелге асырады; нормативлик ҳуқықый актлер текстлериниң тарқатылыўын тәмийинлейди, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлары ҳәм басқа шөлкемлер менен биргеликте, нормативлик ҳуқықый актлер мазмунын ҳәм әҳмийетиниң орынлаўшыларға байланысын ҳәм халық арасында түсиндириў жумысларын шөлкемлестиреди; нормативлик ҳуқықый актлер дурыс ҳәм бирдей қолланылыўын тәмийинлеў мақсетинде өзиниң хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың билимин жетилистириўди шөлкемлестиреди; нормативлик ҳуқықый актлердиң орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады, тийисли тараўда нызамшылықтың қолланылыўы әмелиятын үйренеди ҳәм зәрүрлик болғанда, нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслар киритеди; белгиленген тәртипте нормативлик ҳуқықый актлердиң системаластырылған есабын жүритеди. Министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм ведомстволар нызам актлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. 48-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының нормативлик ҳуқықый актлердиң орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм тәмийинлеў барысындағы ўәкилликлери Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тийисли аймақта: нормативлик ҳуқықый актлердиң өз ўақтында орынланыўына қаратылған зәрүрли илажларды ислеп шығады ҳәм (яки) шаралар көреди; нормативлик ҳуқықый актлер текстлериниң тарқатылыўын тәмийинлейди, нормативлик ҳуқықый актлер бойынша басқа шөлкемлер менен биргеликте зәрүрли түсиндириў жумысларын шөлкемлестиреди; тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң нормативлик ҳуқықый актлерди орынлаў бойынша жумысларын муўапықластырады ҳәм бағдарлайды; нормативлик ҳуқықый актлердиң орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады, нызамшылықтың қолланыўы әмелиятын үйренеди ҳәм зәрүр болғанда, нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслар киргизеди; белгиленген тәртипте нормативлик ҳуқықый актлердиң системаластырылған есабын жүритеди. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. 49-статья. Нормативлик ҳуқықый актлер орынланыўының мониторинги ҳәм қадағаланыўы Нормативлик ҳуқықый актлер орынланыўының мониторинги ҳәм қадағаланыўы нызамшылыққа муўапық әмелге асырылады. Нормативлик ҳуқықый актлер қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйымлар ҳәм басқа шөлкемлер тийисли нормативлик ҳуқықый актлер орынланыўы үстинен қадағалаўды, олардың орынланыўы менен байланыслы мәселелер бойынша ҳуқықты қоллаў әмелияты мониторингин ҳәм де физикалық ҳәм юридикалық шахслар мүрәжатларының анализин әмелге асырады. Нормативлик ҳуқықый актлерде бослықлар анықланған жағдайда, жоқары юридикалық күшке ийе болған нормативлик ҳуқықый актлер арасында қарама-қарсылықлар пайда болғанда, сондай-ақ, ишки қарама-қарсылықлар ҳәм қәте-кемшиликлер жүзеге келип шыққанда, нормативлик ҳуқықый актлерди қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйым тәрепинен оларды сапластырыў бойынша илажлар көреди. Пуқаралар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, сондай-ақ, нызамшылықта белгиленген тәртипте дизимге алынған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары нызамшылық актлерине муўапық жәмийетлик мониторингин ҳәм қадағалаўды әмелге асырады.

8-бап. Жуўмақлаўшы режелер

50-статья. Нормативлик ҳуқықый актлерге қойылатуғын тийкарғы талаплар Нормативлик ҳуқықый актлерди рәсмийлестириўде тийкарғы талаплар усы Нызамның қосымшасына муўапық Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын, сондай-ақ, оларға қосымша етилетуғын мәлимлеме-таллаў материалларын юридикалық-техникалық жақтан рәсмийлестириўдиң бирден-бир методологиясы менен белгиленеди.  51-статья. Нормативлик ҳуқықый актлерге рәсмий түсиник бериў Нормативлик ҳуқықый актлерге рәсмий түсиник бериў нормативлик ҳуқықый актте түсиниксизликлер анықланғанда, олар әмелиятта надурыс ямаса қарама-қарсы мәнисте қолланылған жағдайда әмелге асырылады. Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамлары нормаларына рәсмий түсиникти Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети береди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Президиумының қарарларына рәсмий түсиникти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси береди. Нызам асты актлери нормаларына рәсмий түсиникти оны қабыл еткен уйымлар береди. Нормативлик ҳуқықый актлерди рәсмий түсиндириў барысында оларға нормаларды анықластырыўға қаратылған дүзетиўлер, өзгерислер, қосымшалар  киргизилиўине жол қойылмайды. 52-статья. Нормативлик ҳуқықый актлерди мәмлекетлик есапқа алыў Нормативлик ҳуқықый актлерди мәмлекетлик есапқа алыў усы нормативлик ҳуқықый актлерди орайластырылған түрде жыйнаў, дизимге алыў, олардың фондларын жаратыў ҳәм қадағалаў жағдайында услаўды ҳәм де нормативлик ҳуқықый актлер ҳаққындағы орайластырылған мағлыўматты өз ишине алады. Нызамшылықта нормативлик ҳуқықый актлерди мәмлекетлик есапқа алыўға байланыслы қосымша талаплар белгилениўи мүмкин. Нормативлик ҳуқықый актлерди мәмлекетлик есапқа алыўды әмелге асырыў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен белгиленеди. 53-статья. Қарақалпақстан Республикасының айырым нызам актлерин өз күшин жойытқан деп табыў Төмендегилер өз күшин жойытқан деп табылсын: 1) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2001-жыл 29-июньда қабыл етилген «Норматив-ҳуқықый актлер ҳаққында»ғы 125/II-санлы Нызамы; 2) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ 2001-жыл 29-июньда қабыл етилген «Норматив-ҳуқықый актлер ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасыныӊ Нызамын әмелге енгизиў ҳаққында»ғы 126-II-санлы Қарары; 3) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2013-жыл 5-июльде қабыл етилген «Норматив-ҳуқықый актлер ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасыныӊ жаӊа редакциядағы 168/XIII-санлы Нызамы; 4) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ 2013-жыл            5-июльде қабыл етилген «Норматив-ҳуқықый актлер ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасыныӊ Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 167-XIII -санлы Қарары; 5) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2015-жыл 2-мартта қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 28/III-санлы Нызамыныӊ  13-статьясы; 6) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2016-жыл 10-июньда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 92/IX-санлы Нызамыныӊ 9-статьясы; 7) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2017-жыл 30-декабрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 167/XIX-санлы Нызамыныӊ  25-статьясы; 8) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2018-жыл 18-августта қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 200/XXII-санлы Нызамыныӊ  15-статьясы. 54-статья. Усы Нызамныӊ орынланыўын, жеткерилиўин, мазмуны ҳәм әҳмийетиниӊ түсиндирилиўин тәмийинлеў Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин, мазмунын ҳәм әҳмийетин халықтыӊ арасында түсиндирилиўин тәмийинленсин. 55-статья. Нызамшылық актлерин усы Нызамға муўапықластырыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: ҳүкимет қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын; усы Нызамға қайшы болған өз нормативлик ҳуқықый актлерин қайта қарап шығыўы ҳәм бийкар етилиўин тәмийинлесин. 56-статья. Усы Нызамның күшке кириўи Усы Нызам рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов

 Нөкис қаласы,  30-ноябрь 2021-жыл № 178/XXIII

 «Нормативлик ҳуқықый актлер ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикаси Нызамына ҚОСЫМША

Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын, сондай-ақ, оларға қосымша етилетуғын мәлимлеме-аналитикалық материалларды юридикалық-техникалық тәрептен рәсмийлестириўдиң БИРДЕН-БИР МЕТОДИКАСЫ

 1-бап. Улыўма қағыйдалар

1. Усы Бирден-бир методика нормативлик ҳуқықый актлердиӊ жойбарларын (буннан былай текстте жойбар деп жүритиледи), сондай-ақ оларға қосымша етилетуғын мәлимлеме-аналитикалық материалларын юридикалық-техникалық жақтан рәсмийлестириўдиң тәртибин белгилейди. 2. Жойбарды рәсмийлестириўдиң тийкарғы принциплери: юридикалық норманың анықлығы ҳәм қатаңлығы; тилдиң қолайлы ҳәм түсиникли болыўы; қатнасықлардың тийисли тараўын ҳуқықый тәртипке салыўдың толықлығы; ҳуқықый тәртипке салыўдың анықлығы; тастыйықланған терминлер, түсиниклер ҳәм сөзлерден пайдаланыў; нормалар тəрипиниӊ мүмкиншилигине қарап анықлығы ҳәм қысқалығы; ҳуқықый көрсетпелерди баянлаў формасы, дүзилиси ҳәм усылларының бирдейлиги; нызамшылық техникасы қағыйдаларына әмел етилиўи.

 2-бап. Жойбардыӊ текстине ҳәм дүзилисине тийисли талаплар

1-§. Улыўма қағыйдалар

3. Жойбар тексти қысқа, анық, әпиўайы ҳәм түсиникли тилде баян етилген болыўы керек. Жойбардың тексти ҳәртүрли түсиндириўге жол ҳәм талқылаўға алып келмеўи керек. Жойбардың сөзлери рәсмий тил усылынан ҳәм юридикалық терминологияға бойсынылған ҳалда улыўма қабыл етилген грамматикалық, орфографиялық ҳәм пунктуациялық қағыйдаларына муўапық дүзиледи. 4. Жойбардың тексти төмендеги талапларға муўапық болыўы керек: гәплердиң әпиўайылығы ҳәм қысқалығы; анықлықламаның дәллиги; баянлаўдың системалылығы ҳәм избе-излиги. 5. Жойбарда, сондай-ақ оған қосымша етилетуғын мәлимлеме-аналитикалық материалларда төмендегилердиң қолланылыўына жол қойылмайды: аўызеки сөйлеў формалары; мәмлекетлик тилде тең мәнили сөзлер ҳәм түсиниклер болған жағдайда, шет тиллериндеги  терминлери; гөнергенҳәм де көп мәнини аңлататуғын сөзлер, сөз дизбеклери, образлы салыстырмалар, эпитетлер, метафоралар; аббревиатура ҳәм қысқартпалар (улыўма қабыл етилген аббревиатура ҳәм қысқартпалар, сондай-ақнызам асты актлериниң қосымшаларындағы шөлкемлердиң қысқартырылған атамалары буннан тысқары). 6. Жойбарда нызамшылықта әмелдеги болмаған юридикалық, техникалық ҳәм басқа арнаўлы терминлерге қысқаша анықлама бериледи. Нызамшылық әмелиятына муўапық улыўма қолланылатуғын түсиниклерге анықлама бериў талап етилмейди. 7. Түсиниктиң ямаса терминниң анықламасы оның мазмунын толық ашып бериўи керек. Түсиникти ямаса терминди усы түсиниктиң өзи ҳәм термини арқалы, сондай-ақ өзи анықламасы керек болған басқа түсиник ҳәм атамалар арқалы тәриплеўгежол қойылмайды. 8. Жойбарда көп мәрте қолланылған үш ҳәм оннан артық түсиникке тәрип бериў зәрүрлиги болғанда, олар бөлек бәнтте (статьяда) көрсетиледи ҳәм жойбар текстиниң басында келтириледи. 9. Сөз дизбеклери бир неше мәрте қолланылған жағдайда, олар биринши рет қайсы структуралық бирликте (статьяда, бөлимде, бәнтте, киши бәнтте, абзацта) қолланылған болса, сол структуралық бирликте толық редакцияда баян етиледи ҳәм усы түсиниктиң жойбардың кейинги қағыйдаларында қолланылатуғын қысқартырылған тәрипи қаўыс ишинде атаў сепликте көрсетиледи. 10. Жойбарда, әдеттетеңдей юридикалық күшке ийе болған нормативлик ҳуқықый актлердиң ҳуқықый нормалары қайта тәкирарланбайды. Зәрүр жағдайларда, жойбарда жоқары юридикалық күшке ийе болған нормативлик ҳуқықый актте айырым режелери усы нормативлик ҳуқықый актке силтеме берилген ҳалда сәўлелендириледи. 11. Басқа нормативлик ҳуқықый актлерде тийисли силтемелер ҳуқықый нормалардың өз-ара байланысын көрсетиў яки тәкирарлаўларға жол қоймаў зәрүрлиги болған жағдайларда жойбар текстинде қолланылады. Силтемелер анық болыўы ҳәм арнаўлы нормативлик ҳуқықый актти ямаса айрықша қағыйдаларын көрсетиўи керек. Ҳәр бир силтеме жойбар бойынша таярланып атырған түсиндириў хатында нормативлик ҳуқықый акттиң реквизитлери, оның силтеме берилип атырған структуралық бирлиги көрсетилген ҳалда тийкарланыўы керек. Жойбарда төменирек юридикалық күшке ийе болған анық нормативлик ҳуқықый актлерге, мәмлекетлик уйымлардың баянламаларына, тапсырмаларына ҳәм хатларына силтеме бериўге жол қойылмайды. 12. Нызам жойбарында (нызамда) нызам актлерине силтеме бериў зәрүр болғанда избе-излик тәртипте нызам актиниң түри ҳәм атамасы көрсетиледи. Бунда Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң қарары бойынша оны қабыллаў сәнеси ҳәм тәртип саны көрсетиледи. 13. Статья (бәнт) текстин усы нормативлик ҳуқықый акттиң басқа статьяларында (бәнтлеринде) тәкирар баян етиўге жол қойылмайды. 14. Жойбардың дүзилиси ҳуқықый тәртипке салыў предметин логикалық жақтан раўажлаўын ҳәм ашып бериўин тәмийинлеў керек. 15. Көлемине қарай нызам асты актиниң жойбары пәсейип баратуғын төмендеги структуралық бирликлерге бөлинеди: бөлимлер, киши бөлимлер, баплар, параграфлар, бәнтлер, киши бәнтлер ҳәм абзацлар. Нызам жойбарларының бөлиниўи усы баптың 2-параграфына муўапық әмелге асырылады. 16. Жойбардың бөлимлери рим санлары, киши бөлимлери ҳәм баплары болса араб санлары менен номерленеди ҳәм бас бетлерге ийе болады. Параграфлар «§» белгиси менен белгиленеди, араб санлары менен номерленеди ҳәм бас бетлерге ийе болады. Бөлимлер, киши бөлимлер, баплар ҳәм параграфлардың белгиси ҳәм атамасы бас ҳәрип пенен, «ярым қара» шрифтте, текст орайына туўрыланған ҳалда, тырнақшаларсыз, қатарлар ортасындағы бирлик интервалда ҳәм қатар басысыз, бир қатарда саны көрсетилип, кейнинен ноқат қойылған ҳалда жазылады. 17. Төмендеги структуралық бирликтиң киритилиўине жол қойылмайды: егер жойбарда баплар болмаса, «бөлим» бирлигиниң; егер жойбарда бөлимлер болмаса, «киши бөлим» бирлигиниң; егер жойбарда бәнтлер болмаса, «киши бәнт» ҳәм «абзац» бирликлериниң. 18. Ҳәр бир ислеп шығылатуғын жойбар атамаға ийе болыўы керек. Атама қысқа, түсиникли аңлатылыўы ҳәм оның тийкарғы ҳуқықый тәртипке салыў предметин сәўлелендириўи зәрүр. 19. Жойбар оны қабыллаў себеплери ҳәм мақсетлери бойынша түсиндириўди қамтып алған алғы сөзге(преамбула) ийе болыўы мүмкин. Нормативлик ҳуқықый акттиң алғы сөзи оның мазмунын логикалық раўажландыратуғын бир неше абзацларда баян етилиўимүмкин. Алғы сөзде: ғәрезсиз норматив көрсетпелерди өз ишине алмаўы; статьялар ҳәм бәнтлерге бөлинбеўи; нормативлик ҳуқықый акт қабыл етилиўи мүнәсебети менен өз күшин жойытқан  деп табылыўы, өзгерислер ҳәм қосымшалар киритилиўи лазым болған басқа нормативлик ҳуқықый актлерге тийисли силтемелерге ийе болмаўы; жойбарда қолланылатуғын тийкарғы түсиниклердиң әҳмийетин өз ишине алмаўы; тәртип саны болмаўы керек. 20. Жойбардың алғы сөзинде (ведомствалық нормативлик ҳуқықый актлер ушын мәжбүрий) жойбардың қабыл етилиўи ушын тийкар болған ямаса орынланыўы тәмийинленип атырған нызамшылық актлери көрсетилиўи мүмкин. 21. Жойбарда ҳуқықый нормалар араб санларында ноқат қойылған ҳалда номерленип, статьялар ҳәм бәнтлер тәризинде баянланады, сондай-ақбас бетлерге ийе болмайды, статьялар буннан тысқары. Ҳуқықый нормаларды қосарлап номерлеўге жол қойылмайды. 22. Ҳәр бир статья ҳәм бәнт, әдетте бир ҳуқықый норманы өз ишине алыўы, сондай-ақ толық ҳәм жуўмақланған мазмунға ийе болыўы керек. Жойбардың қарар бөлимине ең зәрүрли болған ҳуқықый нормалар киритиледи, нызам жойбарлары буннан тысқары. 23. Бәнтлер киши бәнтлер ямаса абзацларға бөлиниўи мүмкин. 24. Киши бәнтлер қаўыс пенен жабылатуғын киши ҳәриплер менен белгиленеди. Ҳәриплер әлипбе бойынша избе-изликте баянланыўы керек. 25. Киши бәнтлер тек ғана абзацларға бөлиниўи мүмкин. Абзацлар басланыўында сызықша ямаса басқа белгилерди ислетиўге жол қойылмайды. 26. Жойбарға талаплар, дизимлер, кестелер, графиклер, тарифлер, карталар, схемалар, дүзилмелер, ҳүжжетлердиң, бланкалардың үлгилери, сондай-ақ,усыныс қәсийетине ийе ҳүжжетлер (үлги режелер, уставлар, шәртнамалар, методикалық усыныслар ҳәм басқалар) қосымша етилиўи мүмкин. 27. Егер жойбардың қарар бөлиминде бәнтлери (киши бәнтлери, абзацлары) менен, ал нызам жойбарларында болса статьялар (бөлимлер, бәнтлер, киши бәнтлер, абзацлар) менен ҳүжжетлерди тастыйықлаў нәзерде тутылған болса, нормативлик ҳуқықый акттиң тийисли структуралық бирлиги ҳәм ол тәрепинен тастыйықланатуғын ҳүжжеттиң атамасы бир-бирине муўапық рәўиште баян етилиўи керек. 28. Бөлимлерден ибарат болған қосымшалар ишинен избе-излиликте номерленген бәнтлерге ийе болады. Бөлим рим санлары менен белгиленетуғын тәртип санына ҳәм атамаға ийе болады.

 2-§. Нызам жойбарлары (нызам) дүзилисиниң өзгешелиги

29. Нызам жойбарының дүзилиси оның мазмунына байланыслы болады ҳәм төмендеги избе-изликте белгиленеди: қолланылыў ямаса әмел етиў тараўы; улыўма қағыйдалар: ҳуқықый тәртипке салыўдың тийкарғы принциплери, нызамда пайдаланылатуғын түсиниклер ҳәм арнаўлы атамалардың анықламасы, субъектлердиң ҳуқық ҳәм миннетлемелери, сондай-ақ, ислеп шығылып атырған нызам жойбары нормаларын әмелге асырыўдың механизмлери; қабыл етилип атырған нызам нормаларын бузғанлығы ушын жуўапкершилик ҳаққындағы норма; айырым нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутыўшы нормалар, сондай-ақ усы нызам қабыл етилиўи мүнәсебети менен нызамларды өз күшин жойытқан деп табыў; қабыл етилип атырған нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткизилиўин, мазмунын ҳәм әҳмийетин түсиндириўин тәмийинлеў миннетлемеси жүклетилип атырған субъект; нормативлик ҳуқықый актлерди қабыл етилип атырған нызамға муўапықластырыў ҳаққындағы тапсырма; нызамның күшке кириў тәртиби. 30. Нызам жойбарында (нызамда) пәске қарап барыўшы төмендеги структуралық бирликлерден пайдаланылады: бөлим; киши бөлим; бап; параграф; статья. 31. Нызам жойбары (нызам) статьясында пәске қарап барыўшы төмендеги структуралық бирликлеринен пайдаланылады: бөлим; бәнт; киши бәнт; абзац. Системаластырылған ири нызам жойбарлары бөлимлерге, бөлимлер киши бөлимлерге, баплар параграфларға бөлиниўи мүмкин. 32. Нызам жойбары (нызам) бөлиминиң белгиси ҳәм атамасы беттиң ортасына бас ҳәриплер менен бириниӊ астына бири жазылады. Нызам жойбары (нызам) бөлиминиң атамасы «ярым қара» шрифтте жазылады. 33. Бөлимлер рим санлары, киши бөлимлер ҳәм баплар болса араб санлары менен номерленеди ҳәм де бас бетлерге ийе болады. Параграфлар «§» белгиси менен белгиленеди, араб санлары менен номерленеди ҳәм бас бетлерге ийе болады. Киши бөлимлер, баплар ҳәм параграфлардың белгиси ҳәм атамасы бас ҳәрип пенен, ал бөлимлердиң белгиси ҳәм атамасы болса бас ҳәриплер менен «ярым қара» шрифтте, тырнақшаларсыз, қатарлараралық бирлик интервалда, бир қатарда тәртип саны көрсетилип, изинен ноқат қойылған ҳалда жазылады. 34. Нызам жойбарының (нызамның) статьясы: оның тийкарғы структуралық бирлиги болып есапланады; араб санлары менен белгиленетуғын тәртип санына ийе болады; атамаға ийе болады, айырым нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, оларды өз күшин жойытқан  деп табыў ҳаққындағы нызам жойбарлары буннан тысқары. Статья белгиси бас ҳәрип пенен ҳәм абзацтан жазылады. Статьяның атамасы оның номер белгиси менен бир қатарға бас ҳәрип пенен «ярым қара» шрифтте жазылып, оннан кейин ноқат қойылады. Егер статья атамаға ийе болмаса, онда статьяның номеринен кейин ноқат қойылады ҳәм статьяның белгиси бас ҳәрип пенен ҳәм де ярым қара шрифт пенен абзацтан жазылады. Статья тәртип саны қойылмайтуғын бөлимлерге бөлинеди. Статья бөлимлериниң жайласыў тәртиби бас ҳәрип пенен басланатуғын ҳәм ноқат пенен тамамланатуғын абзацларды избе-из санаў арқалы анықланады. Статьялардың  бөлимлери бәнтлерге бөлинип, бәнтлер қаўыс пенен жабылатуғын араб санлары яки киши ҳәриплер менен белгиленеди. Статьялардың  бөлимлери абзацларға бөлиниўи мүмкин. Бәнтлер қаўыс ишинде араб санлары менен киши бәнтлерге ямаса абзацларға бөлиниўи мүмкин. 35. Нызам жойбарының (нызамның) бөлимлери, киши бөлимлери, баплары, параграфлары ҳәм статьялары избе-из номерлениўи керек. Ҳәр бир баптың (параграфтың) статьяларын бөлек-бөлек номерлеўге ямаса ҳәр бир бөлимниң (киши бөлимниң) бапларын бөлек-бөлек номерлеўге жол қойылмайды. 36. Нызам жойбарына (нызамға) бөлимлер, киши бөлимлер, баплар, параграфлар, статьялар ямаса пүткил нызам жойбарына (нызамға) байланыслы аӊлатпалар киритилиўи мүмкин емес. 37. Егер нызам жойбарына (нызамға) бир неше қосымша болса, олар «№» белгиси көрсетилген ҳалда араб санлары менен номерленеди. Нызам жойбарының (нызамның) текстинде қосымшаға силтеме берилгенде «№» белгиси көрсетиледи. Қосымша белгиси 12 өлшемли шрифтта нызам жойбары (нызам) текстинен кейинги бетиниӊ жоқарғы он мүйешине, нызамныӊ номери ҳәм қол қойылған сәнеси көрсетилмеген ҳалда жайластырылады. Қосымшаныӊ атамасы беттиӊ ортасына жайластырылады.

 3-§. Нызам жойбары (нызам) нормаларын баянлаўға байланыслы улыўма талаплар

38. Нызам төмендеги талапларға жуўап бериўи керек: нормалардың бирқыйлыбаян етилиўин тәмийинлейтуғын, оларды анықластырыў ушын нызам асты актлерин ислеп шығыў ҳәм қабыллаўды талап етпейтуғын ҳалда толық түсиник бериў; нызам текстинде оны әмелге асырыўдың анық механизмине ийе екенлиги; нызам жойбарында ҳуқықый қатнасықлар субъектлери ҳуқық ҳәм миннетлемелериниң толық дизимине ийе болыўы; декларативлик ҳәм абстракт нормалардың жоқ екенлиги. 39. Нызам нормалары басқа нызамлар нормалары менен өз-ара байланыслы болыўы керек. Бунда нызам нормаларының анықламасыбасқа нызамларда қолланылатуғын анықламалар менен бирдей баянланыўы керек. 40. Нызам жойбарының (нызамның) текстин ислеп шығыў барысында нызамшылық системаластырылады, нызам асты актлеринде бар болған барлық ҳуқықый нормалар бирлестириледи, нызамшылықтағы бослықларды толтырыўшы жаңа нормалар ислеп шығылады, айырым ҳуқықый көрсетпелер ортасындағы келиспеўшиликлер, тийкарсыз тәкрарланыўлар ҳәм қарама-қарсылықлар сапластырылады. Бунда нызам қабыл етилгеннен соң, нормалары нызамда өз сәўлелениўин тапқан барлық ески нызам асты актлери өзиниӊ тәртипке салыў зәрүрлигин жойытады ҳәм күшин жойытқан  деп табылыўы лазым. 41. Белгили ҳуқық тараўы ҳәм жәмийетлик қатнасықлары саласының барлық мәселелери мүмкиншилиги болғанша бир актте толығы тәртипке салыныўы лазым. Егер нызамның айырым нормаларын өзгертиў зәрүрлиги болса, оларды жаңа нормативлик ҳуқықый актти рәмийлестирместен усы нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар сыпатында бериўи керек. 42. Нызам жойбары менен бир ўақытта төмендегилер ислеп шығылады: нызам қабыл етилиўи мүнәсебети менен өз күшин жойытқан  деп табылыўы лазым болған нызам асты актлер дизими; нызам жойбарына киргизилген нызам асты актлери нормаларын ҳәм бундай бирлестириўдиң тийкарын өз ишине алған салыстырмалы кесте; нызам қабыл етилгенлиги мүнәсебети менен әмелдеги нызам асты актлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ямаса оларды өз күшин жойытқан  деп табыў ҳаққындағы  қарар жойбарлары.

3-бап. Жойбарларды юридикалық-техникалық тәрептен рәсмийлестириў ҳәм рәсмий жәриялаў дәреклерин көрсетиў тәртиби

 1-§. Улыўма қағыйдалар

43. Жойбардың тексти А4 форматтағы қағаз бетиниң бир тәрепинде оның масштабы киширейтирилмеген ҳалда жайластырылыўы керек. 44. Егер жойбар еки ямаса оннан артық бетте баян етилген болса, оның ҳәр бир бети ҳәм қосымшалары бөлек номерлениўи керек. Беттиң тәртип саны беттиң жоқарысында ортада 2 номеринен баслап жазылады. Биринши бетте 1 саны қойылмайды. 45. Жойбарлар, әдетте Мiсrоsоft Wоrd редакторынан ҳәм төмендеги параметрлерден пайдаланған ҳалда таярланады: беттиң шеп тәрепи 3 см, оң тәрепи 2 см, төменги ҳәм жоқарғы тәреплери 2 см; ведомствалықнормативлик ҳуқықый актлер жойбарлары ушын 12 өлшемли шрифт, басқа жойбарлар ушын 14 өлшемли шрифт; биринши қатардың қатар басы 1,27 см (нызам жойбарлары ушын 1,25); қатарлар ортасындағы интервал (множитель) 1. 46.Жойбардың (ведомствалық нормативлик ҳуқықый акт жойбары буннан тысқары) биринши бет жоқары бөлимниң оң мүйешинде «Жойбар» сөзи қойылады, оның өлшеми текст шрифти өлшеми менен бирдей болыўы керек. 47.Жойбар түриниң тексти бас ҳәриплер менен, текстти орайға туўрылаған ҳалда, «ярым қара» шрифтте, қатарлар ортасындағы бирлик интервалда ҳәм қатар басысыз рәсмийлестириледи. Нызам актлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм Жоқарғы Кеӊес Президиумыныӊ қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ қарары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының шешимлери жойбарларының түри еки қатарда сәўлеленеди. 48. Жойбардың атамасы киши ҳәриплерде, «ярым қара» шрифтте, текст орайға туўрыланған ҳалда, тырнақшаларсыз, қатарлар аралық бирлик интервалда ҳәм абзацсыз жазылады. 49. Тексттиң ҳәр бир қатарында сөзлер көширилместен тамамланған болыўы лазым. Ҳәр бир қатар ақырында, әдетте бирикпелер, «№» белгиси, санлардың бирбөлими, аббревиатуралар ҳәм басқалар қалдырылмайды. 50. Қосымша белгиси 12 өлшемли шрифтте беттиң жоқары оң мүйешинде, қосымшаның номери (егер бир неше қосымшалар болса), қосымша қылынып атырған нормативлик ҳуқықый акт түри көрсетилген ҳәм де акт номери ҳәм сәнеси ушын орын қалдырылған ҳалда жайластырылады. 51. Қосымшаның атамасы киши ҳәриплерде, «ярым қара» шрифтте, текст орайға туўрыланған ҳалда, тырнақшаларсыз, қатарлар ортасындағы бирлик интервалда ҳәм абзацсыз жазылады.

2-§. Рәсмий жәриялаў дәреклерин көрсетиў тәртиби

52. Нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилгенде төмендегилер көрсетиледи: нызамныӊ жәрияланған рәсмий дәреги ямаса жаңа редакциядағы (егер болса) нызамныӊ жәрияланған рәсмий дәреги; нызам актине киргизилген барлық кейинги өзгерис ҳәм қосымшалар жәрияланған рәсмий дәреклер. 53. Нызам өз күшин жойытқан деп табылғанда нызамныӊ жәрияланған рәсмий дәреги ямаса жаңа редакциядағы (егер болса) нызамныӊ жәрияланған рәсмий дәреги көрсетиледи. Сондай-ақ, өз күшин жойытқан деп табылған тийкарғы нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар қайсы нызамлар менен киргизилген болса, сол нызамлар ҳәм олардың рәсмий жәрияланған дәреги көрсетилип, бөлек ҳалда өз күшин жойытқан  деп табылады.

 4-бап. Нормативлик ҳуқықый актлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ оларды өз күшин жойытқан  деп табыў ҳаққындағы  жойбарларды таярлаўдың өзгешеликлери

1-§. Улыўма қағыйдалар

54. Нормативлик ҳуқықый актлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ оларды өз күшин жойытқан деп табыў ҳаққындағы жойбар, әдетте төмендеги жағдайларда таярланады: Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары  нызамларының, Өзбекстан Республикасы Президенти актлериниң ҳәм Министрлер Кабинети қарарларының, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси қарарларыныӊ ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси қарарларыныӊ нызамшылықта жаңадан қабыл етилген нормативлик ҳуқықый актлерге муўапықластырыўға тийисли талапларын орынлаў, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Президентиниң, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ ҳәм  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ тапсырмаларын орынлаў ушын; егер ислеп шығылып атырған жойбар басқа нормативлик ҳуқықый актлерге өзгерис ямаса қосымшалар киргизиў, сондай-ақ оларды өз күшин жойытқан  деп табыў зәрүрлигин келтирип шығарса; жойбарды таярлаў барысында тап сондай  қатнасықларды тәртипке салыўшы нормативлик ҳуқықый акт бар екенлиги мәлим болып қалғанда ҳәм де жаңа нормативлик ҳуқықый актти қабыл етпестен усы нормативлик ҳуқықый актке өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў жолы менен ҳуқықый тәртипке салыў мүмкиншилиги анықланғанда; тап сондай мәселе бойынша нормативлик ҳуқықый актлердиӊ көплиги ҳәм ҳуқықый нормаларда анықланған қарама-қарсылықларды сапластырыў. 55. Төмендегилер нормативлик ҳуқықый актке өзгерислер киргизиў деп тән алынады: санлар, сөзлер, гәплер, графалар, блоклар ҳәм позицияларды алмастырыў; абзацлар, киши бәнтлер, бәнтлер, статьялар (статьялардың  бөлимлери), параграфлар, баплар, киши бөлимлер, бөлимлер, қосымшаларды өз күшин жойытқан  деп табыў ямаса санлар, сөзлер, гәплер, графалар, блоклар, позициялар ҳәм абзацларды шығарып таслаў; абзацлар, киши бәнтлер, бәнтлер, статьялар (статьялардың  бөлимлери), параграфлар, баплар, киши бөлимлер, бөлимлер, қосымшаларды, сондай-ақпараграфлар, баплар, киши бөлимлер, бөлимлер, қосымшалардың атамаларын жаңа редакцияда баян етиў. Графа - еки вертикал сызық пенен шегараланған кесте формасында баян етилген тексттиң, ҳүжжеттиң бөлими ямаса бәнти. Блок –ҳәр түрли формада (төртмүйеш, туўры мүйеш, цилиндр, овал ҳәм т.б.) функционаллық бирлестирилген кестелердиң бир бөлими; Позиция - еки горизонтал сызық пенен шегараланған кесте формасында графада баян етилген тексттиң, ҳүжжеттиң бөлими, киши бөлими, бап, бәнти, киши бәнти. 56. Төмендегилер нормативлик ҳуқықый актке қосымшалар киргизиў деп тән алынады: нормативлик ҳуқықый акттиң структуралық бирлигин жаңа сөзлер, санлар ямаса гәплер менен толтырыў; нормативлик ҳуқықый актлерди структуралық бирликлер (бөлим, киши бөлим, бап, параграф, қосымша, графа, блок, позиция, статья (статьятың бөлими), бәнт, киши бәнт ҳәм абзац) менен толтықтырыў. 57. Нормативлик ҳуқықый актлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын текст төмендегилерге бөлинеди: араб санлары менен ноқат қойып номерленетуғын бәнтлер; киши ҳәриплерде қаўыс пенен номерленетуғын киши бәнтлер; абзацлар. 58. Егер статья ямаса бәнт пенен тийисли нормативлик ҳуқықый актке тек бир өзгерис ямаса қосымша киргизиў нәзерде тутылған болса, киши бәнтлер қолланылмайды. 59. Нормативлик ҳуқықый актке өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиўде оның бөлимлери, киши бөлимлери, баплары, параграфлары, статьялары, бәнтлери тәртип санлары менен номерлениўи ҳәм де киши бәнтлериниң санлар менен ямаса ҳәриплер менен номерлениўи өзгермейди. 60. Егер нормативлик ҳуқықый акт жаңа структуралық бирликлер менен толықтырылып атырған болса, оларды тийкарғы сан ямаса ҳәрип белгилери жоқарғы тәрепине қойылатуғын қосымша санлар менен белгилеў зәрүр. 61. Тийкарғы номер ямаса ҳәрип белгилери жоқарғы тәрепине қойылатуғын номерлерди қосыўға тек кейинги өзгерислер ҳәм қосымшаларды киргизиўде жол қойылады. Барлық структуралық бирликлердиң номерлери өзгериўиниң алдын алыў ушын бундай белгилерден тек кейинги қосымшаларда пайдаланылады. 62. Егер тийисли қосымшалар нормативлик ҳуқықый акттиң структуралық бирлиги (бөлим, киши бөлим, бап, параграф, статья (статьяның бөлими), бәнт, киши бәнт ҳәм абзац) ақырына киритилип атырған болса, әмелдеги номерлениўи даўам етеди. 63. Статья, бәнт ямаса киши бәнт жаңа абзац пенен толықтырылғанда усы статьяның, бәнттиң ямаса киши бәнтиниң кейинги абзацлары номерлениўи тийисли тәртипте өзгереди. 64. Егер жойбар бир ўақыттың өзинде бир неше нормативлик ҳуқықый актке ямаса олардың структуралық бирликлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиўди, сондай-ақ оларды өз күшин жойытқан деп табыўды нәзерде тутқан болса, усы ҳүжжетлер (олардың юридикалық күши ҳәм қабыл етилген сәнеси бойынша) хронологиялық тәртипте жайластырылады. Тап бир сәнеде қабыл етилген нормативлик ҳуқықый актлер олардың тәртип санларына муўапық артып барыў тәртибинде жайластырылады. 65. Егер нормативлик ҳуқықый актлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, оларды өз күшин жойытқан деп табыў ҳаққындағы нормаларды өз ишине алған жойбарда бул нормалар еки ямаса оннан артық бәнттен ибарат ҳәм көлеми үлкен болса, олар жойбарға қосымша (қосымшалар) тәризде таярланады. 66. Нормативлик ҳуқықый актке өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилгенде усы акттиң түри, қабыллаў сәнеси, номери ҳәм атамасы көрсетиледи. 67. Егер тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар нормативлик ҳуқықый акттиң қосымшасына киритилип атырған болса, жойбарда тийисли нормативлик ҳуқықый акттиң атамасы көрсетилмейди, ал ол менен тастыйықланған қосымшаның атамасы көрсетиледи. 68. Өзгертилип, қосылып яки шығарып тасланып атырған сөзлер ҳәм де санлар тырнақша ишине алынады. 69. Егер қосымшаның, бөлимниң, киши бөлимниң, баптың, параграфтың, статьяның, бәнттиң, киши бәнттиң, абзацтың ҳәм гәп текстин сезилерли дәрежеде өзгертиў талап етилсе, оларды жаңа редакцияда баян етиў зәрүр. 70. Егер нормативлик ҳуқықый акттиң бөлими, бәнти ямаса киши бәнти кирисиў абзацының даўамы болған абзацлардан ибарат болса, абзацларды есаплаў кирисиў абзацынан басланады. 71. Нызам асты актлерин өз күшин жойытқан деп табыўды нәзерде тутатуғын жойбардың қосымшасы тек бәнтлерден ибарат болады. Бул жағдайда бәнтлерден ибарат өз күшин жойытқан деп табылып атырған нормативлик ҳуқықый актлердиң дизими келтириледи. 72. Пүткил нормативлик ҳуқықый актти ямаса оның киши бәнтине шекем болған, сондай-ақ киши бәнтин де қосқан ҳалда, структуралық бирлигин өз күшин жойытқан деп табыў зәрүр болған жағдайларда, сол акт улыўма ямаса оның киши бәнтине шекем болған, сондай-ақ киши бәнтине де қосқан ҳалда, структуралық бирлиги өз күшин жойытқан деп табылады. Нормативлик ҳуқықый акттиң абзац тәризиндеги структуралық бирлигин өз күшин жойытқан  деп табыў зәрүр болған жағдайларда, усы абзац шығарып тасланады. 73. Нормативлик ҳуқықый акттиң тийисли структуралық бирликлери өз күшин жойытқан деп табылған жағдайда, кейинги структуралық бирликлердиң номерлениўи өзгермейди. Абзац шығарып тасланғанда кейинги абзацлардың избе-излиги қайта қарап шығылады, нызам жойбарлары буннан тысқары. 74. Егер нормативлик ҳуқықый актте тек бир ғана ҳәрекеттеги структуралық бирлик болып, қалғанлары өз күшин жойытқан болса, бул структуралық бирликти өз күшин жойытқан деп табыў зәрүр болған жағдайда, пүткил нормативлик ҳуқықый акт өз күшин жойытқан  деп табылыўы шәрт. 75. Өз күшин жойытқан деп табылыўы лазым болған нормативлик ҳуқықый актлердиң дизимлерине ҳәрекет етиў мүддети тамамланған ўақытшалық түстеги актлер яки нормалар киргизилмейди. 76. Ҳәрекет етиў мүддети тамамланған нормативлик ҳуқықый акттиң айрым нормасының яки пүткил нормативлик ҳуқықый акттиң ҳәрекет етиў мүддети создырылмайды. Бул жағдайда жаңа норма киргизилиўин нәзерде тутатуғын жойбар таярланады. 77. Егер өз күшин жойытқан деп табылыўы керек болған статьяда (статьяның бөлиминде, бәнтинде, киши бәнтинде ҳәм абзацында), бәнтте, киши бәнтте яки абзацта тийисли түрде өз күшин жойтыўы керек болған қосымшаға көрсетпе бар болса, усы структуралық бирлик ҳәм онда нәзерде тутылған қосымша өз күшин жойытқан деп табылыўы лазым. Егер қосымша толық өз күшин жойытқан  деп табылыўы мүмкин болмаса, оның тек тийисли структуралық бирликлери өз күшин жойытқан  деп табылыўы (шығарып тасланыўы) лазым. 78. Нормативлик ҳуқықый акт толық ямаса айрым бөлими өз күшин жойытқан деп табылған жағдайда, өз күшин толық ямаса айрым бөлими жойытқан деп табылып атырған нормативлик ҳуқықый актке қайсы нормативлик ҳуқықый акттиң режесинемуўапық өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген болса, сол нормативлик ҳуқықый акттиң тийисли режелери де өз күшин жойытқан деп табылыўы лазым. Алдын қабыл етилген нормативлик ҳуқықый актти өз күшин жойытқан  деп табыўды нәзерде тутатуғын нормативлик ҳуқықый акт өз күшин жойытқан  деп табылған жағдайда, алдын қабыл етилген нормативлик ҳуқықый акттиң ҳәрекет етиўи тикленбейди. Усықағыйда нормативлик ҳуқықый акттиң структуралық бирлигин өз күшин жойытқан  деп табыў ушын (шығарып таслаўға) қолланылады.

2-§. Нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы  нызам жойбарлары (нызамлар), сондай-ақ өз күшин жойытқан  деп табылатуғын нызамлар дизимин өз ишине алған нызам жойбарлары (нызамлар) дүзилисиниң өзгешелиги

79. Қарақалпақстан Республикасының нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбары (нызам) атамаға ийе болмаған статьялардан ибарат болады. Статьялар бәнтлерге ямаса абзацларға бөлинеди. Статьялардағы бәнтлер абзацларға бөлинеди. Нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳәм нызамларды ямаса олардың структуралық бирликлерин өз күшин жойытқан деп табыў ҳаққындағы  нормалар нызамларда араб санлары менен номерленип, қаўыслар менен жабылатуғын бәнтлерден ибарат бөлек статьялар тәризинде баян етилиўи мүмкин.

5-бап. Жойбарға қосымша етилетуғын мәлимлеме-аналитикалық материалларға қойылатуғын тийкарғы талаплар

80. Жойбарға қосымша етилетуғын мәлимлеме-аналитикалық материаллар, әдетте мәлимлеме-аналитикалық материалдың көлемине қарап Мiсrоsоft Wоrd  редакторынан ҳәм төмендеги параметрлерден пайдаланған ҳалда таярланады: беттиң шеп тәрепи 1 — 3 см, оң тәрепи 1-2 см, төменги ҳәм жоқары тәрепи 1-2 см; мәлимлеме-аналитикалық материалдың көлемине қарап 11-14 өлшемли шрифт; биринши қатар абзацы 0,50 — 1,27 см; қатарлар арасындағы интервал (множитель) 1 - 1. 2. 81. Жойбардың түсиндириў хатында төмендегилер болыўы керек: Нормативлик ҳуқықый актти таярлаў ушын тийкар ҳәм оны қабыл етиў зәрүрлигин тийкарлаў, сондай-ақ жойбарды таярлаў тапсырылған нормативлик ҳуқықый актлер ҳаққындағы  мағлыўматлар, жоқары турыўшы уйымныӊ тапсырмалары (тапсырма болған жағдайда) ҳаққындағы  мағлыўматлар; жойбар ислеп шығыўшысының толық атамасы; мақсетлер ҳәм ўазыйпалар, сондай-ақ жойбар менен белгиленетуғын тийкарғы режелер, олардың қысқаша тийкары. Бунда жойбардың тийкарғы мақсетлери анықланады. Жойбардың анық мақсетлерге ерисиўге бағдарланған айрықша режелери қысқаша көрсетиледи; нормативлик ҳуқықый актти қабыллаўдан күтилип атырған нәтийжелер. Бунда нормативлик ҳуқықый акт қабыл етилиўи мүнәсебети менен ҳуқықый тәрептен тәртипке салыў нәтийжесинде жүз бериўи мүмкин болған унамлы өзгерислер келтириледи. Күтилип атырған нәтийжелер, муғдарлық көрсеткишлер көрсетилген ҳалда баян етилиўимүмкин; жойбар предметине тийисли болған халықаралық ҳүжжетлер ҳәм сырт ел мәмлекетлери нызамшылығының принциплери, нормалары ҳәм аңлатпа формалары ҳаққындағы  мәлимлеме (нызам асты актлери ушын - зәрүр болған жағдайда). Тийисли тараўда унамлы сырт ел тәжирийбеси бар болған жағдайда, түсиндириў хатында жойбарды таярлаўда есапқа алынған норма нәзерде тутылған мәмлекет, ҳүжжеттиң түри, атамасы ҳәм қысқаша мазмуны көрсетилиўи мүмкин; жойбар мазмунының тәриплемеси (характеристикасы), оныӊ жойбар дүзилисиндеги бөлимлери, киши бөлимлери, баплары, параграфлары ҳәм статьялардың  мазмуны менен бирге қысқаша баян етиледи (нызам асты актлери ушын - зәрүр болған жағдайда). Зәрүр болғанда нормативлик ҳуқықый акттиң ең әҳмийетли бөлимин қурайтуғын режелердиң тийкарғы мәниси ашып бериледи; нормативлик ҳуқықый акт қабыл етилиўи мүнәсебети менен басқа нормативлик ҳуқықый актлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў яки оларды өз күшин жойытқан  деп табыў зәрүрлигиниң барлығы ямаса жоқлығы ҳаққындағы  мәлимлеме; жойбарда пайдаланылатуғын басқа нормативлик ҳуқықый актлерге силтемениң ҳәр бирин тийкарлап бериў. Бунда оған силтеме берилетуғын жойбар нормасының мазмуны қысқаша ашып бериледи; егер нормативлик ҳуқықый акттиң режелерин әмелге асырыў қосымша финанслық қәрежетлерди талап етсе ямаса Қарақалпақстан Республикасыныӊ республикалық бюджетинде жоғалтыўларға алып келсе, қысқаша финанслық-экономикалық тийкар. Егер нормативлик ҳуқықый акттиң режелерин әмелге асырыў көрсетип өтилген қәрежетлерди талап етпесе ямаса жоғалтыўларға алып келмесе, ол жағдайда бул ҳаққында түсиндириў хатында тийисли мәлимлеме келтириледи; жойбар бойынша өткерилген жәмийетлик ҳәм (яки) қәнигелер талқылаўы ҳәм де оның нәтийжелери ҳаққындағы  мәлимлеме, сондай-ақ нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын талқылаў порталында өткизилген талқылаў нәтийжелери бойынша мәлимлеме; жойбарды мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен келисип алыў ҳаққындағы  мәлимлеме. Бунда жойбар келисилген (виза қойылған) мәпдар министрликлер ҳәм ведомствалар санап өтиледи; жойбар бойынша келиспеўшиликлер мазмунының қысқаша баяны ҳәм олар ҳаққындағы  тийкарланған пикир (келиспеўшиликлер болған жағдайда); жойбарды тийкарлаў ушын зәрүр болған басқа мағлыўматлар. 82. Салыстырыў кестеси төмендеги үш графадан ибарат болады: өзгерис ямаса қосымша киргизиў усынылып атырған нормативлик ҳуқықый акт тийисли структуралық бирлигиниң әмелдеги редакциясы; жойбарда усынылып атырған редакция; киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалардың тийкары. Салыстырыў кестесинде тийисли структуралық бирликтиң ҳәрекеттеги ҳәм усынылып атырған редакциясы графалары төмендеги тәризде баян етиледи: ҳәрекеттеги редакцияныӊ графаларында өзгертилип атырған сөзлер (санлар) курсив пенен астына сызып көрсетиледи, усынылып атырған редакция графаларында болса «ярым қара» шрифт пенен ажыратып көрсетиледи; усынылып атырған редакция графасында қосылып атырған сөзлер (санлар) «ярым қара» шрифт пенен ажыратып көрсетиледи; ҳәрекеттеги редакция графасындағы  шығарып тасланып атырған сөзлер (санлар) ҳәм абзацлар, сондай-ақөз күшин жойытқан деп табылып атырған басқа структуралық бирликлер «ярым қара курсив» шрифт пенен ажыратып көрсетиледи. Егер жойбарда тийисли структуралық бирликтиң жаңа редакциясы баян етилсе, тек өзгертилип атырған, қосылып атырған, шығарып тасланып атырған сөзлер (санлар) ажыратып көрсетиледи. Ҳәрекеттеги ҳәм усынылып атырған редакцияныӊ графасында структуралық бирликтиң өзгерис киргизилип атырған структуралық бирлик пенен байланыслы болған ҳәм киргизилип атырған дүзетиўлердиӊ көринерли болыўын тәмийинлейтуғын тийисли бөлимлери әпиўайы шрифтте келтириледи. Бөлим яки абзац белгисинен де пайдаланылады, «толықтырылмақта», «шығарып тасланбақта», «көширилмекте» деген сөзлер қолланылады. 83. Келиспеўшиликлер кестеси (нормативлик ҳуқықый актлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылған жойбар бойынша таярланған келиспеўшиликлер кестесинен тысқары) төмендеги үш графадан ибарат болады: нормативлик ҳуқықый акттиӊ тийисли структуралық бирлигиниң усынылып атырған редакциясы; мәпдар уйымлардыӊ пикир ҳәм усыныслары, сондай-ақ нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын талқылаў порталы арқалы келип түскен пикир ҳәм усыныслар; қарап шығыў нәтийжелери; келиспеўшиликлер кестесиниң «Усынылып атырған редакция» графасында пикир ҳәм усыныслар усыныс етилген нормативлик ҳуқықый акттиң тийисли структуралық бирлиги сәўлелендиреди; келиспеўшиликлер кестесиниң «Мәпдар уйымлардың пикир ҳәм усыныслары» графасында жойбар бойынша өз пикир ҳәм усынысларын усыныс еткен уйым ҳәм де шөлкемниң усыныс ҳәм пикирлери ямаса олар тийкарында баян етилген редакция келтириледи; келиспеўшиликлер кестесиниң «Қарап шығыў нәтийжелери» графасында усыныс етилген пикир ҳәм усынысларды қарап шығыў нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматлар ислеп шығыўшы тәрепинен көрсетиледи. Егер пикир ҳәм усыныслар есапқа алынса, пикир ҳәм усыныслар берилген структуралық бирликтиң жаңа редакциясы келтириледи. Егер пикир ҳәм усыныслар тийкарлаўшы мағлыўматларға муўапықсол пикир ҳәм усыныслар есапқа алынбаған болса, мағлыўматлар тийисли тәртипте көрсетиледи. 84. Нормативлик ҳуқықый актлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын жойбар бойынша таярланған келиспеўшиликлер кестеси төмендеги төрт графадан ибарат болады: өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў усынылып атырған нормативлик ҳуқықый акт тийисли структуралық бирлигиниң ҳәрекеттеги редакциясы; жойбарда усынылып атырған редакция; мәпдар уйымлардың пикир ҳәм усыныслары; қарап шығыў нәтийжелери. Биринши еки графа салыстырыў кестеси бойынша баян етиледи. «Мәпдар уйымлардыӊ пикир ҳәм усыныслары» ҳәм де «Қарап шығыў нәтийжелери» графаларында жойбарды киргизип атырған уйым тәрепинен усы бирден-бир методиканыӊ 83-бәнтиниң алтыншы ҳәм жетинши абзацларында нәзерде тутылған мағлыўматлар көрсетиледи. 85. Нормативлик ҳуқықый актти ислеп шығыў ҳәм келисип алыў хронологиясы ҳаққындағы мәлимлемеде төмендегилер көрсетиледи: нормативлик ҳуқықый акттиң түри; нормативлик ҳуқықый акттиң атамасы; нормативлик ҳуқықый актти киргизиў ушын тийкар; жойбар ислеп шығыўшының атамасы (аты); нормативлик ҳуқықый акт келисип алынған сәне, министрлик ҳәм ведостваның атамасы, оның басшысының Ф. А. Ә. ҳәм лаўазымы, келисип алыў нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлемени, нормативлик ҳуқықый актлерди қабыллаў ҳуқықына ийе болған уйымларға киргизилген сәнени өз ишине алған кесте. 86. Концепцияда төмендегилер белгилениўи керек: ҳуқықый тәрептен тәртипке салыўдың тийкарғы идеясы, мақсети ҳәм предмети; тийисли жәмийетлик қатнасықларды ҳуқықый тәрептен тәртипке салыўдың улыўма  тәриплемеси ҳәм оның жағдайына берилген баҳа усы салада ҳәрекетте болған нызамлар ҳәм де басқа нормативлик ҳуқықый актлер анализи қосымша етилген ҳалда; нызам жойбарларын ислеп шығыў зәрүрлигиниң тийкары; нызам жойбарларының тийкарғы режелери; күтилип атырған нызамның социаллық-экономикалық, ҳуқықый ҳәм басқа ақыбетлериниӊ прогнозы. 87. Ҳуқықый тәрептен тәртипке салыўдың тийкарғы идеясы, мақсети ҳәм предметин анықлаўда концепцияда нызам жойбарының мазмуны, оныӊ ерисиўге бағдарланған тийкарғы ўазыйпалары ҳәм мақсетлери, жойбарда тәртипке салыўы керек болған жәмийетлик қатнасықлары ашып бериледи, сондай-ақ, оның әмел етиўде қолланылатуғын саласы, ҳуқықый қатнасықлар субъектлериниң кепилликлери баян етиледи. 88. Тийисли жәмийетлик қатнасықларды ҳуқықый тәрептен тәртипке салыўдың улыўма тәриплемесинде ҳәм оның жағдайына берилген баҳада бул тараўда ҳәректтеги нормативлик ҳуқықый актлердиң ҳалаты сәўлелендириледи, атап айтқанда: тийисли тараўда ҳуқықый қатнасықларды тәртипке салыўшы нормативлик ҳуқықый актлер, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары; нызамшылықтағы бослықлар ҳәм қарама-қарсылықлар, гөнерген, әмелде өз әҳмийетин жойытқан, нәтийжесиз яки әмелге асырыў механизмине ийе болмаған режелердиң бар болыўы; ҳуқықый тәрептен тәртипке салыўдың әмелдеги кемшиликлерин сапластырыўдың ақылға муўапық ҳәм нәтийжели усыллары; халықаралық ҳуқықтың ғалабалық тән алынған принциплери ҳәм нормалары, сондай-ақ, сырт ел мәмлекетлериндеги ҳуқықый тәрептен тәртипке салыў тәжирийбеси; статистика, жәмийеттаныў, сиясаттаныўға байланыслы изертлеўлерди, сондай-ақ, басқа илимий изертлеўлерди өткизиў нәтийжелери; күтилип атырған нызамды әмелге асырыў ушын қабыл етилиўи зәрүр болған нызам асты актлериниӊ дизими көрсетиледи. Нызам жойбарларын ислеп шығыў зәрүрлиги тийкарында нызамды қабыллаў зәрүрлигинен дерек беретуғын дәлиллер баян етиледи. 89. Баян етилетуғын дәлиллер анық, тийкарланған болыўы ҳәм машқаланың ҳәрекеттеги нызамшылықта жетилистирилмегенлиги менен себеби-ақыбетиниӊ байланысын белгилеў керек. Нызам жойбары тийисли болған нызамшылық тармағы, Өзбекстан Республикасы Конституциясы, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларының ҳүжжет арқалы әмелге асырыўға қаратылған режелери, сондай-ақ, оның ҳуқықый система ушын әҳмийети де көрсетиледи. 90. Нызам жойбарларының тийкарғы режелеринде күтилип атырған нызамда белгиленетуғын қағыйдалар, имканият болғанда бөлимлер, киши бөлимлер, баплар, параграфлар ҳәм статьялардың қысқа мазмуны баян етилген үлги структурасы баян етиледи. 91. Күтилип атырған нызамның социаллық-экономикалық, ҳуқықый ҳәм басқа ақыбетлериниӊ прогнозы болжап атырылған ақыбетлер ҳәм оны әмелге асырыўдан күтилип атырған соңғы нәтийжелери тәриплемесин өз ишине алады. Бунда күтилип атырған нызамды әмелге асырылыўдың унамлы ғана емес, алболжаўдағыунамсыз ақыбетлери де есапқа алыныўы керек. Күтилип атырған нызамның ҳуқықый ақыбетлерин прогноз етиўде, зәрүрболғанда, оның орынланыўын тәмийинлейтуғын ҳәкимшилик-ҳуқықый, суд-ҳуқық механизмлерин де есапқа алынады. 92. Ислеп шығыўшы тәрепинен концепцияда басқа зәрүр мағлыўматларды көрсетиўи мүмкин. Таярланған концепция, егер нызам жойбарын таярлаў ҳаққындағы  тапсырмада басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, ислеп шығыўшының басшысы тәрепинен тастыйықланады, соӊынан нызам жойбарының тиккелей тексти таярланады. Зәрүр болғанда, концепция жоқары турыўшы уйымлар менен алдын ала келисип алыныўы мүмкин. 93. Таярланған нызам жойбарына төмендегилер де қосымша етиледи: халықаралық ҳүжжетлердиң ҳәм сырт ел мәмлекетлери нызамшылығының, Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы  нызамшылығының тийисли режелери, тийисли халықаралық тәжрийбени Қарақалпақстан Республикасы шараятында қоллаўдың мақул түсетуғынлығы ҳаққындағы тийкарланған усыныслары избе-излик тәртибинде көрсетилген ҳалдағы аналитикалық-салыстырыў кестеси; нызам жойбары қабыл етилиўи мүнәсебети менен қабыл етилиўи, өзгерис ямаса қосымшалар киргизилиўи, өз күшин жойытқан  деп табылыўы лазым болған нызам асты актлериниӊ дизими. Бунда нызам асты актин қабыллаў, оған өзгерис яки қосымшалар киргизиў ушын тийкарлар ҳәм олардың қабыл етилиўи, оларға өзгерис яки қосымшалар киргизилиўи ушын жуўапкер уйымлар қысқаша көрсетиледи. Нызам жойбарына басқа аналитикалық ҳәм мәлимлеме материаллары да қосымша етилиўи мүмкин.

6-бап. Ислеп шығыўшының юридикалық хызмети тәрепинен жойбардың ҳуқықый экспертизасын өткизиў

94. Жойбарда ислеп шығыўшының биринши басшысы тәрепинен виза қойылыўынан алдын ала оның юридикалық хызмети жойбарды Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конституцияларына ҳәм нызамларына, басқа нормативлик ҳуқықый актлерине, нызамшылық техникасы қағыйдаларына муўапықлығы, сондай-ақ,силтеме келтириўши нормаларды қоллаўдың тийкарланғанлығын ҳәм мақсетке муўапықлығын ҳуқықый экспертизадан өткизеди. Жойбарлардың ҳуқықый экспертизасы барысында юридикалық хызмет оларда коррупция ушын, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары системасында басқа ҳуқықбузарлықларды жүзеге келтириў ушын шәрт-шәраятлар жаратыўшы, сондай-ақисбилерменлик субъектлери ушын артықша ҳәкимшилик ҳәм де басқа шеклеўлерди енгизиўши, исбилерменлик субъектлериниң тийкарсыз қәрежетлери жүзеге келиўине алып келиўши режелер ҳәм нормалар бар-жоқлығын анықлаў мақсетинде анализди де әмелге асырады. 95. Жойбар нызамшылыққа, нызамшылық техникасы қағыйдаларына муўапық болған, сондай-ақ, силтеме келтириўши нормалардың қолланылыўы тийкарлы ҳәм мақсетке муўапық болған жағдайда, юридикалық хызмет ол бойынша ҳуқықый жуўмақ таярлайды, жуўмақ юридикалық хызмет басшысы (юридикалық хызмет басшысы лаўазымы болмаған жағдайда юрисконсульт) тәрепинен қол қойылады. 96. Юридикалық хызметтиң ҳуқықый жуўмағында төмендегилер сәўлеленеди: нормативлик ҳуқықый актти ислеп шығыў қайсы нормативлик ҳуқықый актлерге муўапық тапсырылған болса, сол нормативлик ҳуқықый актлер (атамасы, қабыл етилген сәнеси, номери, жәрияланған рәсмий дәреги, тапсырма баян етилген тийисли статьясы ямаса бәнти (киши бәнти, абзацы) ҳаққындағы, сондай-ақ жоқары уйымныӊ тапсырмалары (уйымныӊ атамасы, тапсырманың номери ҳәм сәнеси, зәрүр болғанда, тапсырма берген лаўазымлы шахс) ҳаққындағы  мағлыўматлар (тапсырма болғанда); жойбардыӊ тийкарғы режелериниң ҳуқықый тәбияты түсиндирилген ҳалда, булрежелердиң мәниси ҳәм әҳмийетиниң қысқаша баяны; жойбардың нызамшылыққа, нызамшылық техникасы қағыйдаларына муўапықлығы, сондай-ақ жойбардағы ҳәр бир силтеме бериўши норма қолланылыўының тийкарланғанлығы ҳәм мақсетке муўапықлығы ҳаққындағы жуўмақ; жойбардың коррупцияға қарсы ҳәм басқа түрдеги экспертизалардан өткизилгенлиги ҳаққындағы мағлыўматлар. 97. Жойбар нызамшылыққа ҳәм нызамшылық техникасы қағыйдаларына муўапық болмағанда, сондай-ақ силтеме бериўши нормалар тийкарсыз ҳәм мақсетке сәйкес болмағанда, юридикалық хызмет ислеп шығыўшының жойбарды таярлаў ушын жуўапкер болған структуралық бөлимине оны тийисли пикир-усыныслары менен дүзетиў ушын қайтарады.

 7-бап. Жойбарды мәпдар уйымлар ҳәм шөлкемлер менен келисип алыў

98. Жойбар бойынша юридикалық хызмет тәрепинен жуўмақ усыныс етилгеннен кейин ислеп шығыўшы оған биринши басшы дәрежесинде виза қояды ҳәм де оны нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын ислеп шығыў ҳәм келисип алыў бирден-бир электрон системасы арқалы үзил-кесил келисип алыў (виза қойыў) ушын мәпдар уйымлар ҳәм шөлкемлерге (буннан былай текстте мәпдаруйымлар деп жүритиледи) жибереди, нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. 99. Төмендегилер менен мәжбүрий тәртипте келисип алынады: Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен барлық жойбарлар, сондай-ақ мәмлекетлик раўажланыў бағдарламалары ҳәм инвестиция бағдарламаларының жойбарлары; Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлиги менен Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетинен ҳәм мәмлекетлик мақсетли фондлары бюджетлеринен қаржы ажыратыў, сондай-ақ мәмлекетлик сатып алыўды әмелге асырыў мәселелерине байланыслы жойбарлар; Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен — инвестициялар, саўда ҳәм экономикалық тәрептен тәртипке салыў мәселелерине байланыслы жойбарлар; Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети менен — товар ҳәм финанс базарларындағы бәсеки мәселелерине байланыслы жойбарлар; Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен — аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм жергиликли мәмлекетлик бағдарламаларына байланыслы жойбарлар; Қарақапақстан Республикасы фермер, дийҳан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниӊ аймақлық кеӊеси менен — фермер, дийҳан ҳәм қыйтақ жер хожалықларыныӊ ҳуқықлары ҳәм де нызамлы мәплерине байланыслы мәселелер бойынша жойбарлар; Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен – исбилерменлик жумысын әмелге асырыўда туўрыдан-туўры ямаса жанапай тәсир көрсетиўши мәселелерге байланыслы жойбарлар; Жойбарлар нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларда басқа мәмлекетлик уйымлар ҳәм де шөлкемлер менен де мәжбүрий тәртипте келисип алынады. Ҳүкиметтиң жумысы менен байланыслы жойбарлар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ жуўмағы алынады. 100. Егер мәпдар уйымныӊ басшысында жойбар бойынша пикир ҳәм усынысларыбар болса, ол өз пикир ҳәм усынысларын нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын ислеп шығыў ҳәм келисип алыў бирден-бир электрон системасына тийкарланған ҳалда көрсетеди ҳәм де жойбарға пикир ҳәм усыныслар менен қол қояды. 101. Хатта тийкарланбаған пикир ҳәм усыныслар ислеп шығыўшы тәрепинен қабыл етилмеўи мүмкин. Бунда тийкарланбаған пикир ҳәм усыныслар қабыл етилмегенлиги ақыбетлери ушын жуўапкершилик мәпдар уйымныӊ пикир ҳәм усынысларын тийкарлап бермеген биринши басшы жуўапкершилигине жүклетиледи. 102. Қабыл етилиўи жойбардың мазмуны ҳәм дүзилисин ҳақыйқый түрде өзгертетуғын, жойбарға тийисли болған пикир ҳәм де усыныслар болған жағдайда мәпдар уйым өзиниң жойбар вариантын нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын ислеп шығыў ҳәм оларды келисип алыўдыӊ бирден-бир электрон системасы арқалы ислеп шығыўшыға усыныўы мүмкин. 103. Ислеп шығыўшы мәпдар уйымлардыӊ пикир ҳәм усынысларын қарап шығады, зәрүр жағдайларда, жойбарға тийисли дүзетиўлер киргизеди. 104. Мәпдар уйымлардыӊ пикир ҳәм усыныслары бойынша келиспеўшиликлер кестеси дүзилип, ол биринши басшы (айрым жағдайларда оның биринши орынбасары) тәрепинен қол қойылады. Қарап шығыў нәтийжелери кестеде «қабыл етилди», «қабыл етилмеди» түринде сәўлелендириледи. Қабыл етилмеген пикир ҳәм усыныслар бойынша олардың қабыл етилмегенлигиниң тийкары көрсетиледи. 105. Келиспеўшиликлер кестеси жойбар менен биргеликте нормативлик ҳуқықый актти қабыл етиўши уйымға белгиленген тәртипте киргизиледи.

 8-бап. Жойбардың Қарақалпақстан  Республикасы Әдиллик министрлигиндеги ҳуқықый экспертизасы

106. Барлық мәпдар уйымлар менен келисип алынғаннан кейин ислеп шығыўшы жойбарды нормативлик ҳуқықый актти қабыл етиўши уйымға киргизиўден алдын ала оны ҳуқықый экспертизадан өткизиў ушын төмендегилерди қосымша еткен ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигине жибереди: усынысларды қарап  шығыў нәтийжелерине тийисли кесте; ислеп шығыўшының юридикалық хызмети басшысы (юридикалық хызмет басшысы лаўазымы болмаған жағдайда — юрисконсульт) тәрепинен қол қойылған ҳуқықый жуўмақ, ол жағдайда оны қол қойған шахстың фамилиясы, аты, әкесиниң аты, лаўазымы, байланыс телефонлары көрсетилиўи керек; егер жойбарға муўапық басқа нормативлик ҳуқықый актлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылған болса, салыстырыў кестеси; жойбарды ислеп шығыў реже кестеси — нызам жойбарлары ушын; халықаралық актлердиң ҳәм сырт ел мәмлекетлери нызамшылығының, Қарақалпақстан Республикасы нызамшылығының тийисли қағыйдалары, тийисли халықаралық тәжрийбени Қарақалпақстан Республикасы шараятларында қоллаў мақул түсетуғынлығы ҳаққындағы  тийкарлы усыныслар избе-изликте көрсетилген ҳалдағы аналитикалық салыстырыў кесте (зәрүр болған жағдайда); келиспеўшиликлер кестеси, егер жойбар мәпдар уйымлар тәрепинен пикир ҳәм усыныслар менен келисилген (виза қойылған) болса ҳәмде усы уйымлардыӊ бул пикир ҳәм усыныслары баян етилген хатларының көширме нусқалары; тәртипке салыў тәсирин баҳалаў ҳаққында мәлимлеме ҳәм жуўмақ (нызамшылықта белгиленген жағдайларда); жойбарды ислеп шығыў ҳәм келисип алыў хронологиясы ҳаққындағы  мәлимлемелер. 107. Жойбар Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен ислеп шығыўшыға төмендеги жағдайларда ҳуқықый экспертизадан өткерилместен қайтарылады: жойбар барлық мәпдар уйымлар менен олардың биринши басшылары (айрым жағдайларда олардың биринши орынбасарлары) дәрежесинде келисип алынбағанда; бул Бирден-бир методиканың 106-бәнтинде көрсетилген ҳүжжетлер жойбарға қосымша етилмегенде. 108. Жойбардың ҳуқықый экспертизасы жуўмақлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри (айрым жағдайларда — министрдиң биринши орынбасары) жойбарға виза қояды. Пикир ҳәм усыныслар болған жағдайдажойбарға пикир ҳәм усыныслар менен виза қойылады.