ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК СЫЙЛЫҚЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 28.06.1996-ж. №187/1
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген 09.06.1998-ж. 368/I–санлы ҚР Нызамы 11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы ҚР Нызамы 27.03.2019-ж. 250 /XXV-санлы ҚР НызамыҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК СЫЙЛЫҚЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакцияда 16.12.2019-ж. 280 / XXIX-санлы ҚР Нызамы)
Қарақалпақстан Республикасының Нызамы
1-БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети мәмлекетлик сыйлықларды шөлкемлестириў, олар менен сыйлықлаў ҳәм олардан пайдаланыў саласындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Мәмлекетлик сыйлықлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Мәмлекетлик сыйлықлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат. 3-статья. Мәмлекетлик сыйлықлар Мәмлекетлик сыйлықлар пуқараларды олардың ғәрезсизликти беккемлеўге, тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаўға, мәмлекеттиң экономикалық, сиясий, социаллық, илимий, интеллектуал, руўхый потенциалын ҳәмде қорғаныў қүдиретин асырыўға қосқан үлеси, мәмлекет ҳәм халық алдындағы жәмийетлик, қайырқомлық, гуманитар ҳәмде басқа да салалардағы хызметлери ушын хошаметлеўдиң ең жоқары түри болып табылады. Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары менен республика пуқаралары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар сыйлықланыўы мүмкин. 4-статья. Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықларын шөлкемлестириў Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары Қарақалпақстан Республикасының нызамлары менен шөлкемлестириледи. Мәмлекетлик сыйлықлар ҳаққындағы режелер ҳәм мәмлекетлик сыйлықлардың тәрийплемелери Қарақалпақстан Республикасының нызамлары менен тастыйықланады. Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик сыйлықларының рәсмий атамалары мәмлекетлик тилде белгиленеди.2-БАП. МӘМЛЕКЕТЛИК СЫЙЛЫҚЛАР СИСТЕМАСЫ
5-статья. Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақлары Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақлары төмендегилерден ибарат: «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери»; «Қарақалпақстан Республикасы халық артисти»; «Қарақалпақстан Республикасы халық бақсысы»; «Қарақалпақстан Республикасы халық жазыўшысы»; «Қарақалпақстан Республикасы халық шайыры»; «Қарақалпақстан Республикасы халық художниги»; «Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими»; «Қарақалпақстан Республикасы халық жыраўы»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери»; «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириўи хызметкери»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген спортшы»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген экономист»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген транспорт хызметкери»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген байланыс хызметкери»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген қурылысшы»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген архитектор»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген коммуналлық, турмыс ҳәм саўда саласы хызметкери»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген ирригатор»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген пахтакеш»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген салыкеш»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген пиллекеш»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген шарўа»; «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген ойлап табыўшы ҳәм рационализатор». Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақлары берилген шахсларға белгиленген үлгидеги өңир белгиси ҳәм ҳүрметли атақ берилгенлиги ҳаққында гүўалық тапсырылады. 6-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар бойынша комиссия Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар бойынша комиссия Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанында турақлы ислейтуғын мәсләҳәт уйымы болып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының мәмлекетлик сыйлықларды бериў мәселелерин шешиў бойынша конституциялық ўәкилликлери әмелге асырылыўын тәмийинлейди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар бойынша комиссиясы қурамы, ўәкилликлери ҳәм жумысын шөлкемлестириў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен тастыйықланады.3-БАП. МӘМЛЕКЕТЛИК СЫЙЛЫҚЛАРҒА УСЫНЫЎ, ОЛАР МЕНЕН СЫЙЛЫҚЛАЎ ҲӘМ ОЛАРДЫ ТАПСЫРЫЎ
7-статья. Мәмлекетлик сыйлықларға усыныў Мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм әскерий бөлимлер, қала ҳәм районлар ҳәкимлери, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының, басқа да республикалық мәкемелердиң, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң басшылары тәрепинен киргизиледи. Мәмлекетлик сыйлықларға усыныў басламасы менен шығыў ҳәм оларды көрип шығыў тәртиби, қосымша усыныс етилетуғын ҳүжжетлердиң дизими, сондай-ақ ҳүрметли атақлардың өңир белгилери ҳәм гүўалықларының үлгилери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен тастыйықланады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықлаў басламасы менен бийғәрез шығыўға ҳақылы. 8-статья. Мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаў тәртиби Мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен әмелге асырылады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығын мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаў басламасы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен әмелге асырылады. Мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарлары, егер нызам ҳүжжетлеринде басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, ғалаба хабар қуралларында жәрияланады. Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақлары менен тәкирарый сыйлықлаў әмелге асырылмайды. Пуқараларды гезектеги мәмлекетлик сыйлыққа усыныў, әдетте, алдыңғы сыйлықланған дәўиринен кеминде үш жыл өткеннен кейин әмелге асырылады. Айрықша жағдайларда пуқаралар гезектеги сыйлықлаўға алдыңғы сыйлықланған ўақтына қарамастан усынылыўы мүмкин. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықлаў шахс қайтыс болғаннан кейин де әмелге асырылыўы мүмкин. 9-статья. Мәмлекетлик сыйлықларды тапсырыў Мәмлекетлик сыйлықларды тапсырыў салтанатлы жағдайда әмелге асырылады. Мәмлекетлик сыйлықларды тапсырыў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы ямаса оның атынан Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм оның орынбасарлары ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы ўәкиллик берген шахслар тәрепинен әмелге асырылады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығына Мәмлекетлик сыйлықларды тапсырыў Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығы тәрепинен әмелге асырылады. Мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған шахсларға бир ўақыттың өзинде мәмлекетлик сыйлық берилгенлиги ҳаққында гүўалық ҳәм өңир белгиси бериледи. Шахс қайтыс болғаннан кейин сыйлықланған жағдайда мәмлекетлик сыйлық сыйлықланған шахстың жақын туўысқанларының бирине, оны тағып жүриў ҳуқықы берилмеген ҳалда тапсырылады. Мәмлекетлик сыйлықлар қайтыс болған сыйлықланған шахстың ямаса қайтыс болғаннан кейин сыйлықланған шахстың жақын туўысқанларының бириниң келисими менен мәмлекетлик музейлерге тапсырылыўы мүмкин. Егер сыйлықланған шахстың жақын туўысқанлары болмаса, ол қайтыс болғаннан кейин мәмлекетлик сыйлықтың өңир белгиси ҳәм оның гүўалығы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар бойынша комиссиясына тапсырылады.4-БАП. МӘМЛЕКЕТЛИК СЫЙЛЫҚЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎ
10-статья. Мәмлекетлик сыйлықларды тағып жүриў Мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған шахслар улыўма миллий байрамлар ҳәм салтанатлы мәресимлер ўақтында Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақлары өңир белгилерин өңирдиң шеп тәрепине тағып жүреди. Сыйлықланғанлар мәмлекетлик сыйлықларын басқа жағдайларда да тағып жүриўи мүмкин. Қарақалпақстан Республикасы ҳүрметли атақларының өңир белгилери усы Нызамның 5-статьясында көрсетилген избе-изликте Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықларының өңир белгилери, орден ҳәм медалларынан кейин тағылады. Шахста сырт ел мәмлекетлериниң мәмлекетлик сыйлықлары бар болған жағдайда, олар Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықларынан кейин жайластырылады. Сыйлықланған шахслар күнделикли тағып жүриў ушын мәмлекетлик сыйлықлардың орнына планкалардағы ленталарын тағып жүриўи мүмкин. Сыйлықланған шахсларға айырым жағдайларда мәмлекетлик сыйлықлар мойынға илдирилетуғын лентада тапсырылады. 11-статья. Мәмлекетлик сыйлықларды сақлаў тәртиби Сыйлықланған шахслар мәмлекетлик сыйлықлардың өңир белгиcи ҳәм оның гүўалығын қәстерлеп сақлаўы, олардың пүтин сақланыўын тәмийинлеўи шәрт. Мәмлекетлик сыйлықтың өңир белгиси ҳәм оның гүўалығы жойтылған жағдайда, усы сыйлыққа болған ҳуқық сақланып қалынады. Мәмлекетлик сыйлықтың өңир белгиси ҳәм гүўалығы әскерий жағдайда, тәбийий апатшылық ақыбетинде ямаса мәмлекетлик сыйлық жоғалыўының алдын алыў имканияты болмаған басқа да шараятларда жойтылған жағдайда, тек ғана гүўалықтың дубликаты яки белгиленген тәртипте мағлыўматнама берилиўи мүмкин. Мәмлекетлик сыйлықтың өңир белгиси ҳәм оның гүўалығын жойтқан шахс қайтыс болған жағдайда, усы сыйлықтың гүўалығының дубликаты ҳәм мағлыўматнама берилмейди. 12-статья. Мәмлекетлик сыйлықларды сырт елге алып шығыў Сыйлықланған шахслар Өзбекстан Республикасынан шығып баратырып өзлерине тийисли болған мәмлекетлик сыйлықлардың өңир белгилери ҳәм олардың гүўалықларын алып шығыў ҳуқықына ийе. Қайтыс болған сыйлықланған шахстың турақлы жасаў ушын Өзбекстан Республикасынан шығып баратырған жақын туўысқанлары олардың усы сыйлықларға болған ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди көрсеткеннен кейин мәмлекетлик сыйлықларды алып шығыў ҳуқықына ийе. Мәмлекетлик сыйлықларға болған ҳуқық тийисли ҳүжжетлер менен тастыйықланбаған болса, оларды алып шығыў қадаған етиледи. 13-статья. Мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған шахсларға берилетуғын жеңилликлер ҳәм ақшалай төлемлер Мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған шахслар ушын нызам ҳүжжетлерине муўапық ҳәр айда ис ҳақысы ямаса пенсиясына нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қосымша төлемлер әмелге асырылып барылады.5-БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ ҚАҒЫЙДАЛАР
14-статья. Қарақалпақстан Республикасының сыйлықларын (премияларын), естелик ҳәм өңир белгилерин, ведомстволық сыйлықларын шөлкемлестириў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен мәмлекетлик сыйлықлар болмаған Қарақалпақстан Республикасы сыйлықлары (премиялары), мәмлекет ҳәм жәмийет тарийхындағы белгили сәнелерге арналған естелик ҳәм өңир белгилери шөлкемлестирилиўи мүмкин. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң келисими тийкарында мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң сыйлықлары (премиялары, естелик ҳәм өңир белгилери, ведомстволық сыйлықлары) шөлкемлестирилиўи мүмкин. 15-статья. Мәмлекетлик сыйлықлардан айырыў Мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған шахслар төмендеги жағдайларда олардан айырылыўы мүмкин: шахс аўыр яки жүдә аўыр жынаят ислегени ушын ҳүким етилгенде – судтың усынысына муўапық; шахс өзиниң абыройын төгиўши ис-ҳәрекетлер ислегенде – сыйлықлаў ҳаққында усыныс киргизиў ҳуқықына ийе уйымның усынысына муўапық. Мәмлекетлик сыйлықлардан айырыў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен әмелге асырылады. Мәмлекетлик сыйлықлардан айырылыў белгиленген төлемлердиң бийкар етилиўине себеп болады. Мәмлекетлик сыйлықтан айырылған шахсқа тийисли мәмлекетлик сыйлықтың өңир белгиси ҳәм оның гүўалығы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар бойынша комиссиясына қайтарылыўы зәрүр. Нызамсыз ҳүким етилген ҳәм толық ақланған шахслардың мәмлекетлик сыйлықларға болған ҳуқықлары нызам ҳүжжетлерине муўапық тикленеди. 16-статья. Мәмлекетлик сыйлықлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик Ҳүрметли атақлардың өңир белгилерин нызамсыз рәўиште тағып жүриў, сатып алыў, сатыў, алмасыў ямаса басқаша тәризде ҳақы есабынан биреўге бериў нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкершиликке себеп болады. Сыртқы көриниси мәмлекетлик сыйлықларға уқсас болған естелик ҳәм өңир белгилерин, ведомстволық ҳәм басқа да сыйлықларды шөлкемлестириў ҳәм таярлаў қадаған етиледи. Ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте алып қойылған Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары, сондай-ақ ийеси анықланбаған мәмлекетлик сыйлықлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар бойынша комиссиясына тапсырылады.Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов
Нөкис қаласы, 16-декабрь 2019-жыл № 280 / XXIX