АЎЫЛ-ХОЖАЛЫҒЫ КООПЕРАТИВИ (ШИРКЕТ ХОЖАЛЫҒЫ) ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 10.05.1998-ж. №380/I АЎЫЛ-ХОЖАЛЫҒЫ КООПЕРАТИВИ (ШИРКЕТ ХОЖАЛЫҒЫ) ҲАҚҚЫНДА
I бап. Улыўма режелер
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген 29.05.2004-ж. 273/II–санлы ҚР Нызамы 22.05.2010-ж. 31/II–санлы ҚР Нызамы 1-статья. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) товар, аўыл-хожалығы өнимлерин жетистириў ушын пай усылына ҳәм тийкарынан семьялық (жәмәәтлик) кесип алыўға, пухаралардың ықтиярлы рәўиште бирлесиўине тийкарланған, юридикалық тәреп ҳуқықларына ийе өз алдына хожалық жүргизиўши субъект болып табылады. 2-статья. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ҳаққындағы нызам актлери Аўыл хожалық кооперативлерин (ширкет хожалықларын) шөлкемлестириў, олардың жумысы, қайта шөлкемлестирилиўи ҳәм сапластырылыўына байланыслы қатнасықлар усы Нызам ҳәм басқа да нызам актлери менен тәртиплестириледи. Егер Қарақалпақстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ҳаққындағы нызам актлеринде нәзерде тутылғанынан басқаша қәделер белгиленген болса, халық аралық шәртнама қәделери қолланылады. 3-статья. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) жумысының принциплери Аўыл-хожалығы кооперативлериниң (ширкет хожалықларының) жумысы төмендеги принциплерге тийкарланады: кооперативке (ширкетке) ағзалықтың ықтиярлылығы ҳәм оннан еркин шығыў мүмкинлиги; кооператив (ширкет) жумысында ағзалардың өз мийнети менен қатнасыўы шәртлиги; өним жетистириў ҳәм мийнетти хожалық ишинде тийкарынан семьялық (жәмәәтлик) шәртнама тийкарында шөлкемлестириў; кооператив (ширкет) ағзаларының мийнетине, ислеп шығарған өними (орынлаған жумысы) көлемине, сапасына қарай ҳақы төлеў, ақырғы дәраматты (пайданы) кооператив (ширкет) ағзалары арасында олардың мүлклик үлесине муўапық бөлистириў; басқарыўдың демократиялық өзгешелиги, қарарлар қабыл етиўде ҳуқықлар теңлиги (кооперативтиң, (ширкеттиң) бир ағзасы бир даўысқа ийе болыўы). кооператив (ширкет) уставында нәзерде тутылған тәртипте оның жумысы үстинен кооператив (ширкет) ағзаларының қадағалаў жүргизиўи; жер участкаларынан қатаң белгиленген мақсетте пайдаланыў, жерлердиң қорғалыўын ҳәм топырақ өнимдарлығының көтерилиўин тәмийинлеў. 4-статья. Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) жумыс түрлери Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) жумысының тийкарғы түри аўыл-хожалық өнимлерин жетистириў болып табылады. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) аўыл-хожалық өнимлерин жетистириў менен бир қатарда кооперативтиң (ширкет хожалығының) өз аймағында да, сондай ақ оның тысқарысында да, аўыл хожалық шийки затларын қайта ислеў, азық-аўқат өнимлерин, халық тутыныў товарларын, ислеп шығарыў-техника әҳмийетине ийе болған өнимлерди ислеп шығарыў, саўда-сатық, оңлаў ҳәм қурылыс ислери, юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге хызмет көрсетиў, сондай ақ нызам актлеринде қадаған етилмеген басқа жумыс түрлери менен шуғылланыў ҳуқықына ийе. 5-статья. Аўыл-хожалығы кооперативин (ширкет хожалығы) шөлкемлестириў Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) оның шөлкемлестириўшилери тәрепинен ықтыярлы тийкарда дүзиледи. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ағзаларының саны кооператив (ширкет) жумысы қәнигелесиўинен келип шығып, оның уставында белгилеп қойылады. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) нызам актлеринде белгиленген тәртипте, район ҳәкимлигинде мәмлекетлик дизимге алынған күннен баслап, шөлкемлестирилген болып есапланады ҳәм юридикалық тәреп ҳуқықларына ийе болады. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) өз алдына балансқа, банк мәкемелеринде есапласыў ҳәм басқа да есап бетлерине, аты жазылған мөрге ийе болады. 6-статья. Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) уставы Устав аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) жумысын тәртипке салыўшы тийкарғы ҳуқықый ҳүжжет болып табылады. Уставта төмендегилер белгиленеди: кооперативтиң (ширкеттиң) атамасы ҳәм жайласқан орны; жумыс тараўы ҳәм мақсети; кооперативке (ширкетке) кириў ҳәм оннан шығыў тәртиби; кооперативтиң (ширкеттиң) шөлкемлестириўшилериниң қурамы ҳәм ағзаларының саны; кооператив (ширкет) ағзаларының ҳуқық ҳәм миннетлери; басқарыў уйымлары, оларды дүзиў тәртиби ҳәм олардың ўәкилликлери; кооперативтиң (ширкеттиң) үлеслик, бөлинбейтуғын ҳәм басқа фондларының муғдары ҳәм оларды дүзиў тәртиби; кооператив (ширкет) ағзаларының мийнетте қатнасыўы ҳәм олардың мийнетине ҳақы төлеўдиң көбирек семьялық (жәмәәтлик) кесип алыўға тийкарланған түрлери; кооператив (ширкет) дәраматларын (пайдасын) бөлистириў, соның ишинде мүлклик үлеслер бойынша дивидентлер төлеў ушын бөлистириў тәртиби; кооперативти (ширкетти) қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў тәртиби; Уставқа кооператив (ширкет) жумысына байланыслы, нызам актлерине қарсы келмейтуғын басқа да режелер киргизилиўи мүмкин. Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) уставы шөлкемлестириўшилер тәрепинен шөлкемлестириў жыйналысында қабыл етиледи, оған өзгерислер кооператив (ширкет) ағзаларының улыўма мәжилисинде киргизиледи. Уставқа киргизилген өзгерислер ҳаққында мәлимлеме кооперативти (ширкетти) мәмлекетлик дизимнен өткерген уйымға бир ҳәпте мүддет ишинде усынылады.II бап. Аўыл хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) ағзалары
7-статья. Аўыл хожалығы кооперативине ағза болып кириў ҳәм оған ағзалық Жасы 16 ға толған, кооператив (ширкет) уставын тән алыўшы ҳәм оның талапларына бойсыныўшы, кооператив (ширкет) жумысында ҳәм оның фондларын дүзиўде қатнасыўшы физикалық тәреплер аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ағзасы болыўы мүмкин. Юридикалық тәреплер де аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) жәмәәт ағзалары болыўы мүмкин. Кооперативлер (ширкетлер) ҳәм олардың жәмәәтлик ағзалары арасындағы өз-ара мүнәсибетлер шәртнама тийкарында алып барылады. Аўыл-хожалығы кооперативине (ширкет хожалығына) ағза болып кириў берилген арза тийкарында әмелге асырылады. Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) басқармасының (баслығының) кооперативке (ширкетке) қабыл етиў ҳаққындағы қарары кооперативтиң (ширкеттиң) улыўма мәжилисинде арза берген адамның қатнасыўында тастыйықланыўы шәрт. Бундай қарарды қабыл етиў ҳәм тастыйықлаў тәртиби кооператив (ширкет) уставында белгиленеди. Аўыл-хожалығы кооперативине (ширкет хожалығына) ағзалық оннан ўақытша шығып кеткен адамлар ушын төмендеги жағдайларда сақланып қалады: Ҳақыйқый мүддетли әскерий хызметти өтеп атырғанда; мәмлекетлик ҳәм жәмәәтлик уйымларға сайлап қойылатуғын лаўазымға сайланғанда; өндиристен қол үзген рәўиште оқыўға киргенде; басқа аўыл-хожалық кооперативлерине (ширкет хожалықларына) аралық ҳәм басқа да кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлерге аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) басқармасы тәрепинен белгиленген мүддетке жумысқа жолланғанда; аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) ағзалары қартайғанлық ямаса майыплық бойынша жумысты тоқтатса, оның улыўма мәжилисиниң қарары менен белгиленген тийкар ҳәм шәртлерде өзлериниң кооперативке (ширкетке) ағзалығын сақлап қалады. 8-cтатья. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ағзаларының хуқық ҳәм миннетлери. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ағзалары төмендеги хуқықларға ийе: Кооператив (ширкет) жумысларын басқарыўда қатнасыў; кооперативтиң (ширкеттиң) басқарыў уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў; кооператив (ширкет) хызметлеринен пайдаланыў; өз мийнети нәтийжелерине муўапық дәраматлар (пайда) алыў; мүлклик үлеске муўапық дивидендлер алыў. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ағзалары уставқа бойсыныўы, кооперативтиң (ширкеттиң) улыўма мәжилиси ҳәм басқармасы қарарларын орынлаўы шәрт. Нызам актлеринде аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ағзаларының басқа да ҳуқықлары ҳәм миннетлери нәзерде тутылыўы мүмкин. 9-статья. Аўыл-хожалығы кооперативине (ширкет хожалығына) ағзалықты тоқтатыў Аўыл-хожалығы кооперативине (ширкет хожалығына) ағзалық төмендеги жағдайларда тоқтатылады: кооператив (ширкет) ағзалығынан ықтиярлы рәўиште шыққанда; кооператив (ширкет) жумысында мийнети менен қатнасыў тоқтатылғанда; кооператив (ширкет) ағзалығынан оның уставында белгиленген жағдайларда ҳәм тәртипте шығарылғанда; басқарманың (баслықтың) аўыл-хожалығы кооперативине (ширкетке) қабыл етиў ҳаққындағы қарары улыўма мәжилисте тастыйықланбағанда; кооператив (ширкет) хожалық жүргизиўдиң басқа түрлерине өзгертилип, қайта шөлкемлестирилгенде ямаса кооператив (ширкет) сапластырылғанда. Аўыл-хожалығы кооперативине (ширкет хожалығына) ағзалықты тоқтатыў тәртиби оның уставында белгиленеди. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ағзалығынан шығарыў үстинен суд тәртибинде шағым етилиўи мүмкин.III бап. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) басқарыў уйымлары
10-статья. Аўыл-хожалығы кооперативин (ширкет хожалығын) басқарыў. Аўыл-хожалығы кооперативин (ширкет хожалығын) басқарыў өзин-өзи басқарыў, жәриялылық, кооператив (ширкет) жумысы мәселелерин шешиўде оның ағзалары қатнасыўы тийкарында әмелге асырылады. Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) жоқарғы басқарыў уйымы улыўма мәжилис болып, ол баслықты, басқарманы, тексериў комиссиясын (ревизорды) сайлайды, кооперативти (ширкетти) күнделикли басқарыў бойынша өз ўәкилликлерин оларға берип қояды. 11-статья. Улыўма мәжилис Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) улыўма мәжилиси: Кооперативтиң (ширкеттиң) уставын қабыл етеди ҳәм оған белгиленген тәртипте өзгерислер киргизеди; кооперативтиң (ширкеттиң) баслығын, кооперативтиң (ширкет) басқармасын ҳәм тексериў комиссиясын (ревизорды) сайлайды ҳәм оларды шақырып алады, олардың жумысы ҳаққында есапларын тыңлайды ҳәм жумысына баҳа береди; кооператив (ширкет) ағзалығына қабыл етиў, ағзалықтан шығарыў ҳаққында мәселелерди, сондай ақ кооператив (ширкет) ағзалығынан шығыўға байланыслы мәселелерди шешеди; кооперативтиң (ширкеттиң) ишки мийнет тәртиби қәделерин ҳәм мийнетке ҳақы төлеў тәртибин белгилейди; кооператив (ширкет хожалығы) ағзаларының мүлклик үлесиниң муғдарын белгилейди; кооператив (ширкет) жумысының бизнес-жобаларын ҳәм олардың орынланыўы ҳаққындағы есапларды тастыйықлайды; дәраматты (пайданы) бөлистириў тәртибин, кооперативтиң (ширкеттиң) бөлинбейтуғын, үлеслик ҳәм басқа да қорлары түрлерин, муғдарын ҳәм олардан пайдаланыў бағдарларын белгилейди; кооперативти (ширкетти) қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў оның ассоциациялар, жәмийетлер, агрофирмалар ҳәм басқа да бирлеспелерге кириўи ҳәм олардан шығыўы мәселелерин шешеди. Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген мәселелерди шешиў аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) улыўма мәжилисиниң толық ўәкиллигине киреди. Оның толық ўәкиллиги ишине кооперативтиң (ширкеттиң) уставына яки улыўма мәжилисиниң қарарына муўапық кооператив (ширкет) жумысының басқа да мәселелери киргизилиўи мүмкин. Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) ҳәр бир ағзасы, соның ишинде жәмийет ағзасы өзиниң мүлклик үлеси муғдарына қарамастан даўыс бериўде бир даўысқа ийе болады. Аўыл-хожалығы кооперативинде (ширкет хожалығында) мийнет шәртнамасы тийкарында ислеп атырған адамлар улыўма мәжилиске мәсләҳәт даўысы ҳуқықы менен қатнасады. Улыўма мәжилис ҳәр жылы финанс жылы тамам болғаннан кейин өткериледи. Ол аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) басқармасының (баслығының) қарарына муўапық ямаса кооператив (ширкет) ағзаларының кеминде үштен бир бөлегиниң интасы менен гезексиз шақырылыўы мүмкин. Ағзаларының саны бес жүз адамнан артық болған ири аўыл-хожалығы кооперативлеринде (ширкет хожалықларында) улыўма мәжилис ўәкиллигине киретуғын мәселелерди шешиў ушын, уставта нәзерде тутылған жағдайларда, ўәкиллер мәжилиси шақырылыўы мүмкин. 12-статья. Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығы) басқармасы ҳәм баслығы Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығының) басқармасы: Кооператив (ширкет) жумысының бизнес-жобаларын ислеп шығады ҳәм улыўма мәжилистиң тастыйықлаўына киргизеди; кооператив (ширкет) ағзаларының улыўма мәжилисин шақырады ҳәм мәжилис тәрепинен қабыл етилген қарарлардың орынланыўын қадағалайды; кооперативтиң (ширкеттиң) ағымдағы хожалық жумысы мәселелерин оның уставына муўапық шешеди; кооперативке (ширкетке) жаңа ағзалар қабыл етиў ҳәм ағзалықты тоқтатыў ҳаққындағы қарарды улыўма мәжилистиң тастыйықлаўына киргизеди; кооператив (ширкет) мүлкиниң сақланыўын тәмийинлейди ҳәм келтирилген зәлелдиң орнын қаплаў бойынша илажлар көреди; зәрүрлик болса ғәрезсиз аудиторлық тексериўлер өткерилиўин шөлкемлестиреди; семья баслығы (жәмәәттиң ўәкиллик берилген ўәкили) менен семьялық (жәмәәтлик) кесип алыў шәртнамаларын, сондай ақ фермер хожалықлары баслықлары менен жер участкаларын ижараға бериў шәртнамаларын дүзеди; Басқарма ағзаларының саны аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) уставында белгиленеди. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) басқармасының ағзалары өз қурамынан кооперативтиң (ширкеттиң) уставына муўапық кооператив (ширкет) баслығының орынбасары ҳәм басқарма хаткерин сайлаўы мүмкин. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) баслығы басқармаға басшылық етеди. Кооператив (ширкет) баслығын сайлаў ҳәм шақырып алыў тәртиби, сондай ақ оның ўәкилликлери кооператив (ширкет) уставында белгиленеди. 13-статья. Тексериў комиссиясы (тексериўши) Тексериў комиссиясы (тексериўши) аўыл хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының), басқарманың финанслық ҳәм хожалық жумысын тексереди ҳәм ол улыўма мәжилиске есап береди. Тексериў комиссиясы ағзаларының саны кооперативтиң (ширкеттиң) уставында белгиленеди. Улыўма мәжилис аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) ҳәм оның басқармасының финанс хожалық жумысын тексериў ушын белгиленген тәртипте аудитор яки аудиторлық шөлкемди тартыўға ҳақылы.IV бап. Аўыл хожалығы кооперативине (ширкет хожалығына) жер участкаларын бериў. Жерден пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы
14-статья. Аўыл-хожалығы кооперативине (ширкет хожалығына) жер участкаларын бериў, жерден пайдаланыў Аўыл-хожалығына арналған жерлер, аўыл-хожалығы кооперативлерине (ширкет хожалықларына) белгиленген мақсетте товар, аўыл-хожалық өндирисин жүргизиў ушын елиў жылға дейин болған, лекин отыз жылдан кем болмаған ижараға бериледи. Жер участкаларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланып атырған аўыл-хожалығы кооперативлери (ширкет хожалықлары) қосымша рәўиште ижараға ямаса ўақытша пайдаланыў ушын жер участкаларын алыўы мүмкин. Аўыл-хожалығы кооперативлерине (ширкет хожалықларына) берилген жерлер жәмәәт ийелигиндеги жерлерден, сондай ақ пухараларға дийхан хожалықларын жүргизиў ушын берип қойылған жерлерден ибарат болады ҳәм олардан тек белгиленген мақсетте пайдаланылады. Аўыл-хожалығы кооперативине (ширкет хожалығына) берип қойылған жер участкалары меншиклестирилиўи ҳәм алыў, сатыў, гиреў, саўға етиў, алмастырыў объектлери болыўы мүмкин емес. Бул жер участкалары фермер ҳәм дийхан хожалықларын жүргизиў ушын белгиленген тәртипте берилиўи мүмкин. Аўыл хожалығы кооперативиниң «ширкет хожалығының» пайдаланылмай атырған жерлери басқа физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге екилемши ижараға ямаса ўақытша пайдаланыўға үш жылға дейин болған мүддетке жерден пайдаланыўды жаңа мүддетке узайтыў ҳуқықы менен берилиўи мүмкин. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) хызметкерлерине дийхан хожалығын жүргизиў ушын мийрас етип қалдырылатуғын, өмирлик ийелик етиўге жер участкаларын ажыратыў нызам актлеринде нәзерде тутылған өлшемде ҳәм тәртипте әмелге асырылады. Аўыл-хожалығы кооперативлериниң (ширкет хожалықларының) жер участкасына болған ҳуқықы олар ассоциациялар, агрофирмалар ҳәм басқа да бирлеспелер қурамына киргенде де сақланып қалады. Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) жерден пайдаланыў бойынша ҳуқық ҳәм миннетлери нызам актлеринде белгиленеди. Аўыл-хожалық кооперативине (ширкет хожалығына) берилген жер участкаларын алып қойыў, белгиленген кепилликлери сақланып, нызам актлеринде нәзерде тутылған тәртипте әмелге асырылады. 15-статья. Жер участкаларын семьяның (жәмәәтлик) кесип алыў шәртнамасы тийкарында бериў Аўыл хожалығы кооперативинде (ширкет хожалығында) улыўма мәжилистиң қарарына тийкарланып, жер участкалары, әдетте, шаңарақларға «жәмәәтлерге» аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын семьялық «жәмәәтлик» кесип алыў шәртнамасы шәртлери тийкарында ўақытша пайдаланыўға кеминде бес жыл мүддетке бериледи. Жер участкасынан пайдаланыў мүддети тамам болғаннан кейин шаңарақлар «жәмәәтлер» семьялық «жәмәәтлик» кесип алыў шәртнамасын жаңа мүддетке узайтыў ҳуқықына ийе. Cемьялық (жәмәәтлик) кесип алыў шәртлери тийкарында берилетуғын жер участкаларынан қатаң белгиленген мақсетте пайдаланылады, бунда сүрилетуғын жерлер майданы өлшемлериниң кемейтилиўине жол қойылмайды. Жер участкасының өлшемлери ҳәм оның шегаралары тәреплердиң келисиўине муўапық өзгертилиўи мүмкин. Кесип алыў шәртнамасы шәртлери тийкарында алынған жер участкасын ижараға ямаса жәрдемши кесип алыўға бериў қадаған етиледи. Кесип алыўшыдан семьялық «жәмәәтлик» кесип алыў шәртлери тийкарында берилген жер участкасынан пайдаланғанлығы ушын ҳақы өндирилмейди. Жер участкасы мәмлекеттиң ҳәм жәмәәттиң зәрүрликлери ушын алып қойылған жағдайында кесип алыўшының зәлелин (соның ишинде қолдан шығарылған пайда) ҳәм басқа шығынлар нызам актлерине муўапық қапланыўын талап етиў ҳуқықына ийе. 16-статья. Суў тутыныўы Аўыл-хожалығы кооперативлери (ширкет хожалықлары) ушын суў объектлеринен суў алыў лимитлери ўәкилликли уйымлар тәрепинен белгиленеди. Аўыл-хожалығы кооперативине (ширкет хожалығына) жеткерип берилетуғын суўдың сарпланыўын есапқа алыў тәртиби, суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық муғдары ҳәм оны төлеў тәртиби нызам актлери менен белгиленеди.V бап. Аўыл хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) мүлки
17-статья. Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығы) мүлки Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) меншиги. Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) өз алдына балансында көрсетилетуғын тийкарғы фондлар, айланыс қаржылар ҳәм басқа да байлықлар усы кооперативтиң (ширкеттиң) мүлки болып табылады. Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) мүлки тийкарғы фондлар баҳасы, жетистирген өними, оны сатыўдан түскен дәраматлар (пайда), ағзалардың ақшалай ҳәм материаллық төлемлери (взнослары), банк кредитлери, баҳалы қағазлар есабынан ҳәм кооперативтиң (ширкеттиң) уставында нәзерде тутылған басқа да жумыс нәтийжесинде ҳәм нызамда қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан дүзиледи. Кооператив (ширкет хожалығы) мүлкин дүзиўде юридикалық ҳәм физикалық тәреплер шәртнама тийкарында ақшалай ҳәм материаллық төлемлер (взнослар) киргизиў жолы менен қатнасыўы мүмкин. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) тәрепинен шөлкемлестирилетуғын кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң мүлки, сондай ақ хожалықлар аралық кэрханалар ҳәм шөлкемлердиң мүлки, олардың үлесли қатнасыўына муўапық усы кооперативтиң (ширкеттиң) мүлки болып табылады. Қурамына аўыл-хожалығы кооперативлери (ширкет хожалықлары), меншиктиң ҳәр қыйлы түрлериндеги басқа кәрханалар ҳәм шөлкемлер кирген бирлеспелердиң мүлки, олардың улыўма (үлесли) мүлки болып есапланады. Қурамына тек кооперативлер (ширкетлер) кирген бирлеспелердиң мүлки, егер шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде, ямаса нызам актлеринде басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, усы кооперативлерге (ширкетлерге) улыўма (үлесли) мүлк ҳуқықы тийкарында қараслы болады. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) юридикалық ҳәм физикалық тәреплерден мүлкти нызам актлеринде нэзерде тутылған тәртипте алыў, ижараға ямаса ўақытша пайдаланыўға алыў ҳуқықына ийе. 18-статья. Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығында) үлеслик ҳәм бөлинбейтуғын фондлары Аўыл-хожалығы кооперативинде (ширкет хожалығында) улыўма мәжилис қарары менен төмендеги устав фонды (капиталы) дүзиледи: үлеслик фонды, топырақ өнимдарлығын көтериў илажларын өткериў, ирригация қурылысларын сақлаў, жаңа ирригация-механизация тармақларын жойбарлаў ҳәм қурыў, техника алыў, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураларды раўажландырыў, басқа улыўма социаллық ҳәм хожалық ўазыйпаларын шешиў ушын арналған бөлинбейтуғын фонд. Аўыл хожалығы кооперативиниң «ширкет хожалығының» үлес қоры оның тийкарғы қорларының баҳасын ҳәм миннетлемелерден азат болған басқа да активлери баҳасын өз ишине алады, бөлинбейтуғын қорды қәлиплестириўге бағдарланатуғын қаржылар буған кирмейди; үлеслик ҳәм бөлинбейтуғын фондлардың муғдарлары аўыл хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) уставында белгиленеди. үлеслик фонд аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ағзаларына улыўма үлесли мүлк тийкарында, бөлинбейтуғын фонд - улыўма бирликтеги меншик тийкарында қараслы болады. 19-статья. Аўыл-хожалығы кооперативинде (ширкет хожалығында) мүлклик үлеслер Yлеслик фондлар аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ағзалары арасында мүлклик үлеслерге бөлистирилиўи шәрт. Мүлклик үлес аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) ҳәр бир ағзасының кооператив (ширкет) үлеслик фонды баҳасындағы үлесин белгилейди ҳәм кооператив (ширкет) ағзасына кооперативтиң (ширкеттиң) жуўмақлаўшы дәраматынан (пайдасынан) дивидентлер түринде тийисли үлесин алыў ҳуқықын береди. Аўыл хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының дәраматының (пайдасының) үлеслер бойынша дивидентлер төлеўге арналған бөлеги жыл жуўмақлары бойынша бөлистириледи ҳәм мүлклик үлестиң муғдарына сәйкес бөлинеди. Мүлклик үлес муғдарын анықлаў, пайлар бойынша дивидентлер төлеў тәртиби, шәртлери нызам актлери менен белгиленеди. Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) ҳәр бир ағзасының мүлклик үлесиниң анық муғдары кооперативтиң (ширкеттиң) ағзасына мүлктиң белгили бөлегине ҳәм хожалық алатуғын улыўма дәраматтың (пайданың) тийисли бөлегине болған оны ҳуқықын бекитетуғын аты жазылған гүўалық берилип кооперативтиң (ширкеттиң) жоқары басқарыў уйымының қарары менен белгиленеди. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ағзалығынан шығыў, фермер хожалығын ямаса жаңа аўыл-хожалығы кооперативин (ширкет хожалығын) шөлкемлестириў мақсетинде әмелге асырылған жағдайларда мүлклик үлеслер нызам актлерине муўапық ажыратып бериледи. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ағзасының мүлклик үлесин мийрас етип алыў, нызам актлеринде белгиленген тәртипте тек ғана оның баҳасына айландырылған түрде әмелге асырылады.VI бап.Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) жумысының тийкарлары
20-статья. Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) өндирислик жумысы Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) өз жумысының бағдарларын, өндириси дүзилисин ҳәм көлемин өз бетинше белгилейди. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) өзи жетистирип атырған өнимниң сапасына байланыслы ҳәрекеттеги нормативлер ҳәм стандартларды, экология, санитария бойынша ҳәм нызам актлеринде белгиленген басқа да талапларды ҳәм қәделерди сақлаўы тийис. Мәмлекет уйымлары ҳәм шөлкемлердиң, және де басқа уйымлар ҳәм шөлкемлердиң, сондай ақ олардың лаўазымлы адамларының аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) хожалық жумысына араласыўына жол қойылмайды, нызам актлеринде нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. Семьялық (жәмәәтлик) кесип алыў аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығында) ишки хожалық ислеп шығарыў жумысын шөлкемлестириўдиң абзал түри болып табылады. 21-статья. Семьялық (жәмәәтлик) кесип алыў шәртнамасы. Семьялық (жәмәәтлик) кесип алыў шәртнамасы ҳәр жылы аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) басқармасы арқалы кооператив (ширкет) ҳәм семья баслығы (жәмәәттиң ўәкиллик берилген ўәкили) арасында дүзиледи. Семьялық (жәмәәтлик) кесип алыў шәртнамасы бойынша семья (хызметкерлер топары) кесип алыўшы сыпатында белгили бир аўыл хожалығы өнимин жетистириў ҳәм оны буйыртпашыға - аўыл хожалығы кооперативине (ширкет хожалығына) келисилген мүддетлерде тапсырыў миннетлемесин, ал буйыртпашы болса, усы өнимди қабыл етиў ҳәм оның ушын ҳақы төлеў миннетлемесин алады. Семьялық (жәмәәтлик) кесип алып ислеў шәртнамасында төмендегилер нәзерде тутылады: Жер участкасының өлшеми, жайласқан орны ҳәм жағдайы; жер участкасын пайдаланыў шәртлери, тәреплердиң алмаслап егиў схемасына муўапық аўыл хожалығы егинлериниң зүрәәтлилигин ҳәм жердиң өнимдарлығын арттырыў, топырақтың қунарлылығын сақлаў ҳәм жоқарылатыў бойынша миннетлемелери; жетистирилетуғын аўыл хожалық өнимлериниң муғдары ҳәм түрлери, оның сапасы; жетистирилген аўыл хожалық өниминиң баҳасы, оған ҳақы төлеў ҳәм оны реализация етиў шәртлери; суўғарыў ушын суў, материаллық-техникалық ресурслар менен кесип алып ислеўшини тәмийинлеў, тәреплердиң шәртнама миннетлемелерин орынламағаны ушын жуўапкерлиги ҳәм олардың қәлеўи бойынша басқада шәртлер. Кесип алып ислеўши, егер семьялық (жәмәәтлик) шәртнамада басқа қәде нәзерде тутылған болмаса, жумысларды орынлаў усылларын өз бетинше белгилейди, оларды, өз күши ҳәм қураллары менен әмелге асырады. Буйыртпашы кесип алып ислеўшиге семьялық (жәмәәтлик) шәртнамада нәзерде тутылған көлемде ҳәм тәртипте жумысларды орынлаўда жәрдемлесиўге миннетли. Көрсетилген жумыслардың орынланыўын материаллық-техникалық тәмийинлеў, егер семьялық (жәмәәтлик) кесип алып ислеў шәртнамасында басқаша қәде нәзерде тутылған болмаса, буйыртпашы тәрепинен әмелге асырылады. Жумыслар тамамланғаннан кейин кесип алып ислеўши буйыртпашы тәрепинен берилген материаллық-техникалық ресурслардан пайдаланғаны ҳаққында буйыртпашыға есап бериўи, сондай ақ олардың қалғанларын буйыртпашыға қайтарыўы ямаса кесип алып ислеўшидеги пайдаланылмай қалған материаллық-техникалық ресурслардың қунын есапқа алып, ҳақы төлениўи тийис болған жумыслардың қунын, буйыртпашылардың келисими менен кемейтиўге миннетли. Семьялық (жәмәәтлик) кесип алып ислеўде мийнетке ҳақы төлеў ақырғы нәтийжелер бойынша - жетистирилген өнимниң шәртнамада нәзерде тутылған муғдары, сапасы ҳәм баҳасына қарап әмелге асырылады. Усының менен қатар семья ағзалары (кесип алып ислеўшилер) - пай ийелери хожалықтың жыл даўамындағы жумысының ақырғы нәтийжелери бойынша белгиленетуғын дивидентлер алады. 22-статья. Аўыл-хожалығы кооперативинде (ширкет хожалығында) мийнет Аўыл-хожалығы кооперативинде (ширкет хожалығында) мийнет қатнасықлары усы нызам, басқа да нызам актлери, кооперативтиң (ширкеттиң) уставы ҳәм ишки жумыс тәртиби менен ретлестириледи. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) уставта белгиленген ўазыйпаларды орынлаў ушын кооператив (ширкет) ағзасы болмаған адамларды мийнет шәртнамасы бойынша тартыўы мүмкин. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) кооператив (ширкет) ағзалары ҳәм жалланған хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў түрлерин, системасын ҳәм шәртлерин нызам актлерине ҳәм семьялық (жәмәәтлик) кесип алып ислеў шәртнамасына муўапық өз бетинше белгилейди. Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ағзаларына мүлклик пайлар бойынша төленген дивидентлер мийнет ҳақы қурамына киргизилмейди. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) мийнетти қорғаў, техника қәўипсизлиги бойынша белгиленген нормалар ҳәм қәделердиң, өндирислик санитария бойынша талаплардың сақланыўын тәмийнлейди. Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ағзаларын ҳәм онда мийнет шәртнамасы тийкарында ислеп атырған адамларды социаллық тәмийинлеў, нызам актлерине муўапық әмелге асырылады. 23-статья. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) тәрепинен өнимди реализация етиў тәртиби Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) жетистирилип атырған өнимди реализация етиў ушын, соның ишинде мәмлекеттиң зәрүрликлерин гөзлеп реализация етиў ушын юридикалық ҳәм физикалық тәреплер менен ықтиярлы басламаларда хожалық шәртнамаларын дүзиў ҳуқықына ийе. Шәртнама миннетлемелери бузылған жағдайда, тәреплер нызамда ямаса шәртнамада белгиленген тәртипте жуўапкер болады. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) жетистирилип атырған өнимди экспортқа шығарыў, сондай ақ сырт еллердеги шериклеслери менен есапласыўларды нызам актлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырады. 24-статья. Аўыл-хожалығы кооперативине (ширкет хожалығына) салық салыў Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) нызам актлерине муўапық салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди төлейди. (ҚР ЖК 22.05.2010-ж. 31/II–санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 25-статья. Аўыл хожалық кооперативин (ширкет хожалығын) материаллық-техникалық тәмийнлеў, оған агротехникалық ҳәм басқада хызмет көрсетиў Аўыл хожалығы кооперативин (ширкет хожалығын) материаллық-техникалық тәмийнлеў, оған агротехникалық ҳәм басқада хызмет көрсетиў, товар базарларында монополистлик жумысты шеклеў ҳәм бәсекилеслик ҳаққындағы нызам актлериниң талапларын есапқа алып шәртнама тийкарында әмелге асырылады. Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) өзине зәрүр болған мүлкти ҳәм өндирис қуралларын биржаларда, ярмаркаларда, базарларда юридикалық ҳәм физикалық тәреплерден, халықтан сатып алыўға ҳақылы. 26-статья. Аўыл хожалығы кооперативин (ширкет хожалығын) кредит пенен тәмийинлеў ҳәм қамсызландырыў Аўыл хожалығы кооперативин (ширкет хожалығын) өндирислик мақсеттеги объектлер қурылысы, тийкарғы өндирис қуралларын сатып алыў ушын узақ мүддетли ҳәм күнделикли өндирислик жумысын қысқа мүддетли кредит пенен тәмийнлеў кредит шәртнамалары тийкарында әмелге асырылады. Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) дүзилген ўақытта оған қарыз ҳәм кредитлер бергенде төлеўге уқыплы юридикалық ҳәм физикалық тәреплер, сондай ақ кооперативлердиң (ширкетлердиң) өзлери өз мүлкин гиреўге қойып кепил болыўлары мүмкин. Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хрожалығы) өзине қараслы ҳәм ижараға алынған өндирис қуралларының, аўыл хожалық егисликлериниң (нәлшелердиң), көп жыллық ағашлардың, жетистирилген ямаса қайта исленген өнимниң, шийки заттың, материаллардың жоғалтылыўы (набыт болыўы), кем шығыўы ямаса зыянланыўы қәўпин, исбилерменлик тәўекелшилигин, сондай ақ шәртнамаларды бузғаны ушын өзиниң жуўапкершилик қәўпин қамсызландырады ҳәмде нызам актлеринде белгиленген тәртипте және шәртлерде қамсызландырыў өтеўин алады. Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) оны экономикалық турақсызлыққа алып баратуғын дәрежеде зыян көрген ҳәм төлеўге уқыпсыз болып қалған жағдайларда аўыл хожалығы кооперативин (ширкет хожалығын) санация етиў өткерилиўи ямаса оның банкротлығы ҳаққындағы мәселе нызам актлеринде белгиленген тәртипте қарап шығылыўы мүмкин. 27-статья. Аўыл хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) аўыллық елатлы пунктлердиң социаллық инфраструктурасын раўажландырыў бойынша жумысы Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) аўыллық елатлы пунктлердиң социаллық инфраструктурасын раўажландырыў, кооператив (ширкет) ағзалары ҳәм онда мийнет шәртнамасы тийкарында ислеп атырған адамлардың, сондай ақ олардың семьяларының мәдений-турмыс шараятларын жақсылаў, олардың ден саўлығын беккемлеў, басқа да социаллық талапларын қанаатландырыў бойынша илажларды әмелге асырады. Усы мақсетлерде аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы): социаллық инфраструктура объектлерин қурады ҳәм үскенелейди; аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) аймағындағы елатлы пунктлерди абаданластырыў, электрлестириў, газлестириў ҳәм ишимлик суў менен тәмийинлеўди әмелге асырады, кооператив (ширкет) ағзалары ҳәм хызметкерлерине хызмет көрсететуғын киши кәрханаларды раўажландырыўға жәрдемлеседи; өз ағзаларының дийхан хожалықларын раўажландырыўына оларға туқымларды, нәлшелерди, жас қара маллар ҳәм қусларды реализация етиў, агротехника ҳәм ветеринария хызметин көрсетиў, жетистирилген аўыл хожалығы өнимин реализация етиўде көмеклесиў жолы менен жәрдем береди; қоршап турған орталықты қорғаў, экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша илажларды әмелге асырады; кооперативте (ширкетте) емлеў ҳәм профилактикалық илажларды өткериўде ден саўлықты сақлаў уйымларына жәрдем көрсетеди. Социаллық саланы раўажландырыў бойынша кооператив (ширкет) уставында нәзерде тутылған басқа да илажларды әмелге асырады. 28-статья. Аўыл хожалығы кооперативлериниң (ширкет хожалықларының) бирлеспелери Аўыл хожалық кооперативлери (ширкет хожалықлары) ықтиярлы басламаларында, соның ишинде үлес (пай) тийкарында өним жетистириў, сатып алыў, қайта ислеў ҳәм оны сатыў, материаллық-техникалық тәмийнлеў, қурылыс, хызмет көрсетиўдиң техникалық, суў хожалығы, ветеринария, агрохимия, мәсләҳат бериўге байланыслы ҳәм басқада түрлери бойынша нызам актлеринде белгиленген тәртипте ассоциацияларға, жәмийетлерге, агрофирмаларға ҳәм басқада бирлеспелерге бирлесиў, кириў ҳуқықына ийе болады. 29-статья. Есапқа алыў ҳәм есап бериў Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) нызам актлеринде белгиленген тәртипте есапқа алыў ислерин жүргизеди ҳәм жергиликли статистика, салық уйымларына есап береди.VII бап. Жуўмақлаўшы режелер
30-статья. Аўыл хожалығы кооперативин (ширкет хожалығын) қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў Аўыл хожалығы кооперативин (ширкет хожалығын) қайта шөлкемлестириў нызам актлеринде ҳәм кооператив (ширкет) уставында белгиленген тәртипте қосып жибериў, бириктириў, бөлиў, ажыратып шығарыў ҳәм өзгертиў түринде әмелге асырылады. Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы): улыўма жыйналыстың қарары бойынша; нызам актлеринде нәзерде тутылған жағдайларда судтың қарары бойынша сапластырылады. Аўыл хожалығы кооперативин (ширкет хожалығын) сапластырыў нызам актлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Аўыл хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) кредиторлардың талапларын қанаатландырғаннан кейин қалған мүлкиниң қуны оның ағзалары арасында бөлистириледи. 31-статья. Даўларды шешиў Аўыл хожалығы кооперативлерин (ширкет хожалықларын) шөлкемлестириў, олардың жумысы қайта шөлкемлестирилиўи ҳәм сапластырылыўы менен байланыслы даўлар нызам актлерине муўапық шешиледи. 32-статья. Миннетлемелер бойынша жуўапкерлик Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) өз миннетлемелери бойынша өзине қараслы барлық мүлки менен жуўап береди. Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) кооператив (ширкет) ағзаларының миннетлемелери бойынша жуўап бермейди. Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ағзалары аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) миннетлемелери бойынша өз мүлки менен жуўап бермейди. Мәмлекет аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) миннетлемелери бойынша, ал аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) болса, мәмлекеттиң миннетлемелери бойынша жуўап бермейди. 33-статья. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлығы ушын жуўапкерлик Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ҳаққындағы нызам актлерин бузыўда айыплы болған адамлар белгиленген тәртипте жуўапкер болады. Аўыл-хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) кооператив (ширкет) ағзаларының ҳәм онда мийнет шәртнамасы тийкарында ислеп атырған адамлардың өмири ҳәм ден саўлығын, олар мийнет миннетлемелерин орынлаўы ўақтында келтирилген зәлел ушын нызам актлерине муўапық жуўапкер болады. Хызметкерлердиң мийнет миннетлемелерин орынлаўына байланыслы оның өмири ҳәм денсаўлығына келтирилген зыян ушын жуўапкер болған, қайта шөлкемлестирилип атырған ямаса сапластырылып атырған аўыл хожалығы кооперативинде «ширкет хожалығында» қаржы болмаған ямаса жетерли болмаған жағдайда, өндирилиўи шәрт болған қаржылар нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған тәртипте мәмлекет тәрепинен төленеди. Аўыл хожалығы кооперативи «ширкет хожалығы» фермер хожалықлары етип қайта шөлкемлестирилген жағдайларда, усы қаржылар қайта шөлкемлестирилип атырған аўыл хожалығы кооперативинде «ширкет хожалығында» қаржы бары я жоқлығына қарамастан Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң қарарларына муўапық төленеди. Аўыл-хожалығы кооперативиниң (ширкет хожалығының) ҳәм оның ағзаларының, сондай ақ онда мийнет шәртнамасы тийкарында ислеп атырған адамлардың жерден белгиленген мақсетте ҳәм нәтийжели пайдаланбағанлығы ушын жуўапкерлиги нызам актлери менен белгиленеди.