Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 05.10.2007-ж. №161/III ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакцияда)

 I БАП. Улыўма режелер

 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети ғалаба хабар қуралларының шөлкемлестирилиўи, жумыс алып барыўы ҳǝм жумысының сапластырылыўы саласындағы қатнасықларды тǝртиплестириўден ибарат. 2-статья. Усы Нызамның қолланылыўы саласы Усы Нызам Қарақалпақстан Республикасында шөлкемлестирилетуғын ҳǝм жумыс алып баратуғын ғалаба хабар қуралларына, сондай-ақ сырт ел ғалаба хабар қуралларына олардың өнимлериниң Қарақалпақстан Республикасы аймағында тарқатылыўына байланыслы бөлегинде қолланылады. 3-статья. Ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шǝртнаманың қағыйдалары қолланылады. 4-статья. Ғалаба хабар қураллары Ғалаба хабарды дǝўирли тарқатыўдың турақлы атамаға ийе болған ҳǝм баспа тǝризде (газеталар, журналлар, хабарнамалар, бюллетеньлер ҳǝм басқалар) ҳǝм (ямаса) электрон түрде (теле-, радио-, видео, кинохроникалық бағдарламалар, улыўма пайдаланыўдағы телекоммуникация тармақларындағы веб сайтлар) алты айда кеминде бир мǝрте басылатуғын ямаса эфирге берилетуғын (буннан былай текстте шығарылатуғын деп алынады) формасы ҳǝм ғалаба хабарды дǝўирли тарқатыўдың басқа да формалары ғалаба хабар қуралы болып табылады. Қарақалпақстан Республикасында ғалаба хабар қураллары өз жумысын «Мǝмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына муўапық ǝмелге асырады. 5-статья. Ғалаба хабар қуралларының еркинлиги Қарақалпақстан Республикасында ғалаба хабар қураллары еркин болып, өз жумысын усы Нызамға ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлерине муўапық ǝмелге асырады. Ҳǝр бир адам, егер нызамда басқаша қағыйда нǝзерде тутылмаған болса, ғалаба хабар қуралларында шығыў, өз пикирин ҳǝм исенимлерин ашық түрде билдириў ҳуқықына ийе. Ғалаба хабар қураллары Нызам ҳүжжетлерине муўапық мǝлимлеме излестириў, алыў, тарқатыў ҳуқықына ийе ҳǝм тарқатылып атырған мǝлимлемениң ҳақыйқатлығы жǝне дурыслығы ушын белгиленген тǝртипте жуўапкер болады. 6-статья. Ғалаба хабар қураллары еркинлигин пайдаланыўда қыянет етиўге жол қоймаў Ғалаба хабар қуралларынан: Қарақалпақстан Республикасының Конституциялық дүзимин, аймақлық пүтинлигин зорлық пенен өзгертиўге шақырыў; урыс, зорлық ҳǝм терроризмди, сондай-ақ диний экстремизм, сепаратизм ҳǝм фундаментализм идеяларын үгит-нǝсиятлаў; мǝмлекетлик сыр болған мағлыўматларды ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа да сырды жǝрия етиў; миллий, расалық, этник ямаса диний өшпенлиликти қозғаўшы мǝлимлеме тарқатыў; егер нызамда басқаша қағыйда нǝзерде тутылмаған болса, гиябентлик затлар, психотроп нǝрселер ҳǝм прекурсорларды үгит-нǝсиятлаў; порнографияны үгит-нǝсиятлаў; нызамға муўапық жынаятлы ҳǝм басқа да жуўапкершиликке себеп болатуғын басқа да ҳǝрекетлерди ислеў мақсетинде пайдаланылыўына жол қойылмайды. Ғалаба хабар қураллары арқалы пуқаралардың намысы ҳǝм қǝдир-қымбатына ямаса исшеңлик абыройына шек келтириў, жеке турмысына араласыў қадаған етиледи. Прокурор, тергеўши ямаса сорастырыўшының жазба рухсатысыз сорастырыў ямаса дǝслепки тергеў материалларын жǝриялаў, белгили бир ис бойынша судтың қарары шықпастан алдын ямаса судтың қарары нызамлы күшке кирместен алдын оның нǝтийжелерин болжаў ямаса судқа басқаша жол менен тǝсир жасаў қадаған етиледи. 7-статья. Цензураға жол қоймаў Қарақалпақстан Республикасында ғалаба хабар қураллары цензурасына жол қойылмайды. Жǝрияланып атырған хабарлар ҳǝм материаллар алдын-ала келисип алыныўын, сондай-ақ олардың тексти өзгертилиўин ямаса пүткиллей баспадан алып тасланыўын (эфирге берилмеўин) талап етиўге ҳеш ким ҳақылы емес.

 II БАП. Ғалаба хабар қураллары жумысын шөлкемлестириў

8-статья. Ғалаба хабар қуралын шөлкемлестириў ҳуқықы Қарақалпақстан Республикасының юридикалық ҳǝм физикалық шахслары ғалаба хабар қуралларын шөлкемлестириў ҳуқықына ийе. Ғалаба хабар қуралы бир неше шөлкемлестириўши тǝрепинен де шөлкемлестирилиўи мүмкин. Төмендегилер ғалаба хабар қуралының шөлкемлестириўшиси (буннан былай текстте шөлкемлестириўши деп алынады) болыўы мүмкин емес: 18 жасқа толмаған шахс; қастан ислеген жынаяты ушын судланғанлық жағдайы тамамланбаған ямаса судланғанлығы алып тасланбаған яки суд тǝрепинен ҳǝрекет қатнасықларына уқыпсыз деп табылған шахс; жумысы нызам менен қадаған етилген мǝмлекетлик емес  коммерциялық емес шөлкем. Устав қорында сырт ел инвестицияларының үлеси отыз ҳǝм оннан да аслам процентти қураған юридикалық шахслар тǝрепинен ғалаба хабар қураллары шөлкемлестирилиўине жол қойылмайды. 9-статья. Шөлкемлестириў ҳүжжетлери Ғалаба хабар қуралының шөлкемлестириў ҳүжжетлери шөлкемлестириў шǝртнамасы ҳǝм ғалаба хабар қуралы редакциясының (буннан былай тексте редакция деп алынады) уставынан (режесинен) ямаса тек ғана редакцияның уставынан (режесинен) ибарат болады. 10-статья. Шөлкемлестириў шǝртнамасы Шөлкемлестириў шǝртнамасы бир неше шөлкемлестириўши арасында дүзиледи. Шөлкемлестириў шǝртнамасында төмендегилер нǝзерде тутылады: шөлкемлестириўшилердиң  атамасы (фамилиясы, аты, ǝкесиниң аты) ҳǝм жайласқан орны (почта мǝнзили); шөлкемлестирилип атырған ғалаба хабар қуралының түри, атамасы, тили, мақсети, қǝнигелесиўи ҳǝм шығыў жийилиги; редакцияның шөлкемлестириў-ҳуқықый формасы; редакцияның уставлық қорының муғдары ҳǝм қǝлиплестириў тǝртиби; редакцияны қаржыландырыў дǝреклери; шөлкемлестириўшилердиң редакция жумысында қатнасыўы бойынша ҳуқық ҳǝм миннетлемелери; редакцияның басқарыў уйымларын қǝлиплестириў тǝртиби; пайданы бөлистириў ҳǝм зыянлардың орнын толтырыў тǝртиби; ғалаба хабар қуралы шығарылыўын тоқтатып турыў ямаса тоқтатыў тǝртиби; нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да шǝртлер. 11-статья. Редакция уставы (режеси) Редакция нызам ҳүжжетлерине муўапық қабыл етилген ҳǝм шөлкемлестириўши тǝрепинен тастыйықланған устав (реже) тийкарында жумыс алып барады. Редакция уставында (режесинде) төмендегилер белгиленеди: ғалаба хабар қуралының түри, атамасы, тили, мақсети, қǝнигелесиўи, шығыў жийилиги ҳǝм көлеми; редакцияның жайласқан жери (почта мǝнзили); шөлкемлестириўши ҳǝм редакцияның ҳуқық ҳǝм миннетлери; редакцияны қаржыландырыў дереклери; редакцияның басқарыў уйымларын қǝлиплестириў тǝртиби; пайданы бөлистириў ҳǝм зыянлардың орнын толтырыў тǝртиби; ғалаба хабар қуралы шығарылыўын тоқтатып турыў ямаса тоқтатыў тийкарлары ҳǝм тǝртиби; редакцияны қайта шөлкемлестириў ҳǝм сапластырыў тǝртиби; уставты (режени) қабыл етиў ҳǝм оған өзгерислер киргизиў тǝртиби; нызам ҳүжжетлерине муўапық басқада қағыйдалар. 12-статья. Шөлкемлестириўши ҳǝм редакция арасындағы шǝртнама Шөлкемлестириўши ҳǝм редакция арасындағы шǝртнамада төмендегилер белгиленеди: шөлкемлестириўши ҳǝм редакцияның ҳуқық ҳǝм миннетлери; ғалаба хабар қуралын таярлаў ҳǝм шығарыў шǝртлери; редакцияның жумысын қаржыландырыў тǝртиби; редакция хызметкерлериниң өндирислик ҳǝм социаллық-турмыслық, мийнет шараятларын дүзиў тǝртиби; үшинши шахслар менен өз-ара қатнасықлар тǝртиби; тǝреплердиң жуўапкершилиги; нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да шǝртлер. Егер шөлкемлестириўши ҳǝм редакция сыпатында бир шахс жумыс алып барса, шǝртнама дүзиў талап етилмейди. 13-статья. Шөлкемлестириўшиниң ҳуқықлары Шөлкемлестириўши: ғалаба хабар қуралының дизимнен өткерилген атамасынан пайдаланыў ҳǝм оған бийлик етиў; редакцияның басқарыў уйымларын қǝлиплестириўде шөлкемлестириў шǝртнамасы, редакция уставы (режеси) ҳǝм нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте қатнасыў; пайданы бөлистириўде ҳǝм зыянның орнын өтеўде қатнасыў; ең үлкен көлеми ҳǝм шығарылатуғын мүддети редакция уставына (режесине) ямаса шөлкемлестириўши ҳǝм редакция арасындағы шǝртнамаға муўапық белгиленетуғын, реклама түринде болмаған хабар ямаса материалды өз атынан ғалаба хабар қуралында бийпул жайластырыў; редакцияның жумысы тоқтатылған жағдайда кредиторлар менен есапласқаннан соң қалған мүлкти ямаса оның қунын нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылған тǝртипте алыў ҳуқықына ийе. Шөлкемлестириўши нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. 14-статья. Шөлкемлестириўшиниң миннетлери Шөлкемлестириўши: редакцияны  шөлкемлестириўи; редакция уставын (режесин) тастыйықлаўы; редакция менен шǝртнама дүзиўи; ғалаба хабар қуралының шығарылыўын тǝмийинлеўи; ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине  бойсынылыўын тǝмийинлеўи; шөлкемлестириўшиниң уставлық қоры өзгергенлиги ҳаққында, егер уставлық қорында сырт ел инвестициялары  үлеси усы Нызамның 8-статьясының төртинши бөлиминде нǝзерде тутылған  шегарадан асып кеткен болса, ўǝкилликли мǝмлекетлик уйымды (буннан былай текстте дизимнен өткериўши уйым деп алынады) хабардар етиўи шǝрт. Шөлкемлестириўшиниң жуўапкершилигинде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин. 15-статья. Редакция Редакция ғалаба хабар қуралының шығарылыўын ǝмелге асырыўшы юридикалық шахс ямаса юридикалық шахстың структуралық бөлимшеси болып табылады. Редакция нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылған ҳǝр қандай шөлкемлестириў – ҳуқықый формада дүзилиўи мүмкин. Редакция өз кǝсиплик жумысында ғǝрезсиз болып табылады. Редакция бас редактор ҳǝм редакция хызметкерлеринен ибарат болыўы мүмкин. Редакция ғалаба хабар қуралы мǝмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин өз жумысын баслаўы мүмкин. Редакцияның жумысын қаржыландырыў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. 16-статья. Бас редактор Бас редактор шөлкемлестириўши тǝрепинен лаўазымға тайынланады ҳǝм лаўазымынан босатылады. Бас редактор редакцияға басшылық етеди, ғалаба хабар қуралының шығарылыўы ҳаққында шешим қабыл етеди ҳǝм оның жумысы ушын нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкер болады. Нызам ҳүжжетлери ҳǝм шөлкемлестириў ҳүжжетлерине муўапық бас редактор ғалаба хабар қуралының шөлкемлестириўшиси, тарқатыўышысы, мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымлары жǝне басқа да юридикалық ҳǝм физикалық шахслар менен қатнасықларда, сондай-ақ судта редакцияның атынан ис жүргизеди. 17-статья. Редакция хызметкери Редакция штатында турған, материалды топлаў, таллаў, редакторлаў ҳǝм таярлаў менен шуғылланыўшы шахс редакция хызметкери болып табылады. 18-статья. Ғалаба хабар қуралының шығарылыўына байланыслы мағлыўматлар Ҳǝр бир мезгилли басылымның шығарылыўында төмендеги мағлыўматлар көрсетилиўи шǝрт: мезгилли басылымның атамасы; мǝмлекетлик дизимнен өткерилген сǝнеси ҳǝм саны; шөлкемлестириўшиниң атамасы (фамилиясы, аты, ǝкесиниң аты); бас редактордың фамилиясы, аты, ǝкесиниң аты; ҳǝр бири мезгилли басылым шығарылыўы ушын жуўапкер болған редакция хызметкериниң фамилиясы, аты, ǝкесиниң аты; тǝртип саны ҳǝм шығарылған сǝнеси, ал, мезгилли баспа басылымлар ушын болса басыўға рухсат берилип, қол қойылған ўақыт (графикте белгиленгени ҳǝм ҳақыйқаттағысы); мезгилли баспа басылымлар ушын – индекси, тиражы, баҳасы ямаса «Келисилген баҳада», «Бийпул» деген жазыўлар; редакция ҳǝм баспахананың жайласқан орны (почта мǝнзили). Теле -, радио -, видео -, кинохроникалық бағдарламаларға ҳǝм ғалаба хабарды мезгилли тарқатыўдың басқа электрон формаларына байланыслы мағлыўматлар нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди.

III БАП. Ғалаба хабар қуралларын мǝмлекетлик дизимнен өткериў

19-статья. Ғалаба хабар қуралын мǝмлекетлик дизимнен өткериў тǝртиби Ғалаба хабар қуралы дизимнен өткериўши уйым тǝрепинен мǝмлекетлик дизимнен өткериледи (буннан былай тексте дизимнен өткериў деп алынады). Ғалаба хабар қуралларын дизимнен өткериў тǝртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тǝрепинен белгиленеди. Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққындағы арза дизимнен өткериўши уйымға белгиленеген тǝртипте шөлкемлестириўши тǝрепинен бериледи. Шөлкемлестириўшиниң ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққындағы арзасы дизимнен өткериўши уйым тǝрепинен бир ай мүддет ишинде қарап шығылыўы керек. Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткергенлиги ҳǝм қайта дизимнен өткергенлиги ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте ҳǝм муғдарда дизимнен өткериў жыйымы алынады. 20-статья. Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққында арза Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққындағы арзада төмендегилер көрсетилиўи тийис: шөлкемлестириўши ҳаққындағы мағлыўматлар; ғалаба хабар қуралының атамасы, тили ҳǝм түри; мақсет ҳǝм ўазыйпалары; қǝнигелесиўи; тарқатылыў аймағы; жийилиги; қаржыландырыў дереклери; редакцияның жайласқан орны (почта мǝнзили) ҳǝм редакция ҳаққындағы басқа да мағлыўматлар; көлеми; шөлкемлестириўши ҳǝм редакция басқа қайсы ғалаба хабар қуралына шөлкемлестириўши, исенимли басқарыўшы, басып шығарыўшы, тарқатыўышы екенлиги ҳаққындағы (барлық аффилленген шахслардың ҳǝм олардың ҳǝр бириниң редакцияның уставлық қорындағы үлеси муғдарлары көрсетилген) мағлыўматлар. Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққындағы арзаға ғалаба хабар қуралының шөлкемлестириў ҳүжжетлери қосымша етиледи. Егер шөлкемлестириўши бир шахстан ибарат болса, дизимнен өткериўши уйымға усынылатуғын ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққындағы арзаға тек ғана редакция уставы (режеси) қосымша етиледи. Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериўде усы статьяда нǝзерде тутылғаннан басқаша талаплар қойыў қадаған етиледи. Усы статьяның биринши бөлиминиң екинши-бесинши абзацларында, сондай-ақ екинши бөлиминде көрсетилген мағлыўматлар ҳǝм ҳүжжетлерге ғалаба хабар қуралы дизимнен өткерилгеннен соң өзгерислер киргизилген жағдайда, ол белгиленген тǝртипте қайта дизимнен өтиўи шǝрт. Қалған жағдайларда шөлкемлестириўши ямаса редакция киргизилген өзгерислер ҳаққында дизимнен өткериўши уйымды бир ай мүддет ишинде жазба түрде хабардар етиўи шǝрт. 21-статья. Дизимнен өткерилмейтуғын ғалаба хабар қураллары Төмендегилердиң дизимнен өткерилиўи талап етилмейди: тек ғана өз рǝсмий хабарлары ҳǝм материалларын, сондай-ақ нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлерди жǝриялаў ушын мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымлары тǝрепинен шөлкемлестирлетуғын ғалаба хабар қураллары; кǝрхана, мǝкеме, шөлкемниң (соның ишинде оқыў ҳǝм илимий мǝкемениң) өз зǝрүрликлерин қанаатландырыў ушын тиражы жүзге шекемги нусқада шығарылатуғын мезгилли баспа басылымлар; кабель тармақлары арқалы алып берилетуғын (көрсетилетуғын) теле -, радио-, видео-, кинохроникалық бағдарламалар, сондай-ақ тарқатылыўы бир кǝрхана, мǝкеме, шөлкем (соның ишинде оқыў ҳǝм илимий мǝкеме) имараты ҳǝм (ямаса) аймағы менен шекленетуғын аудио -, аудиовизуал хабар ҳǝм материаллар. 22-статья. Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериўден бас тартыў Ғалаба хабар қуралын дизимге алыўдан төмендеги жағдайларда бас тартылыўы мүмкин: ғалаба хабар қуралының мақсет ҳǝм ўазыйпалары нызам ҳүжжетлерине қайшы келсе; ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққындағы арза усы нызамға муўапық ғалаба хабар қуралын шөлкемлестириў ҳуқықына ийе болмаған юридикалық ямаса физикалық шахстың атынан берилген болса; ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққындағы арзада көрсетилген мағлыўматлар ҳақыйқатқа туўры келмесе; буннан алдын дǝл усындай ямаса алжастырып жибериў дǝрежесинде уқсас атамадағы ғалаба хабар қуралы дизимнен өткерилген болса. Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериўден бас тартылған жағдайда, бас тартыў тийкарлары көрсетилген жазба хабарнама шешим шығарылғаннан кейин он күн ишинде арза ийесине жибериледи. Шөлкемлестириўши дизимнен өткериўши уйымның ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериўден бас тартыў ҳаққындағы шешими үстинен судқа шағым етиўи мүмкин. 23-статья. Ғалаба хабар қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықты ҳақықый емес деп табыў Ғалаба хабар қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалық тек ғана суд тǝрепинен ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин. Ғалаба хабар қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықтың қǝлбеки ҳүжжетлерден пайдаланылған ҳалда алынғанлығы ғалаба хабар қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықты ҳақыйқый емес деп табылыўы ушын тийкар болады. Бунда дизимнен өткериўши уйым ғалаба хабар қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықты ҳақыйықый емес деп табыў ҳаққындағы арза менен судқа мүрǝжат етиўи шǝрт. Ғалаба хабар қуралы өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықты ҳақыйқый емес деп табыў туўралы мағлыўмат ғалаба хабар қуралларында жǝрияланыўы тийис. 24-статья. Ғалаба хабар қуралының шығарылыўын тоқтатып турыў ямаса тоқтатыў Ғалаба хабар қуралының шығарылыўын тоқтатып турыў ямаса тоқтатыў дизимнен өткериўши уйымның арзасы тийкарында судтың қарарына муўапық ǝмелге асырылады. Шөлкемлестириўши ғалаба хабар қуралының шығарылыўын редакция уставында (режесинде) ямаса шөлкемлестириўши ҳǝм редакция арасында дүзилген шǝртнамада нǝзерде тутылған жағдайларда ҳǝм тǝртипте тоқтатып турыў ямаса тоқтатыўға ҳақылы. Шөлкемлестириўши ғалаба хабар қуралының шығарылыўын тоқтатып турыў ямаса тоқтатыў ҳаққында шешим қабыл етилгеннен кейин өз шешими ҳаққында дизимге алыўшы уйымды үш күн ишинде жазба түрде хабардар етиўи шǝрт. Усы хабарнама бул ғалаба хабар қуралы шығарылыўының тоқтатып турылыўы ямаса тоқтатылыўынан алдын соңғы шығарылыўының бирине жайластырылыўы керек. Ғалаба хабар қуралының шығарылыўын судтың шешимине муўапық тоқтатып турыў дизимге алыўшы уйым тǝрепинен редакцияға қатнаслы шығарылған ескертиўге себеп болған нызам ҳүжжетлери бузылыўы тǝкирарлап, жазба ескертиўден кейин бир ай ишинде сапластырылмаған жағдайда ǝмелге асырылады. Ғалаба хабар қуралының шығарылыўын қайта баслаў дизимге алыўшы уйым анықлаған нызам ҳүжжетлери бузылыўы сапластырылғанлығын тастыйықлаўшы мағлыўматлар шөлкемлестириўши ҳǝм (ямаса) редакция тǝрепинен судқа усынылғаннан кейин судтың шешимине муўапық ǝмелге асырылады. Ғалаба хабар қуралының шығарылыўын тоқтатыў ҳаққында суд тǝрепинен шешим шығарылыўы ушын төмендегилер тийкар болыўы мүмкин: ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талаплары редакция тǝрепинен турақлы рǝўиште бузып келингенлиги, бул ҳаққында дизимге алыўшы уйым тǝрепинен шөлкемлестириўши ҳǝм (ямаса) редакция атына бурын жазба ескертиўлер жиберилгенлиги; судтың ғалаба хабар қуралын шығарыўды тоқтатып турыў ҳаққындағы шешими орынланбағанлығы; ғалаба хабар қуралының алты айдан аслам ўақыт даўамында шығарылмағанлығы; нызам ҳүжжетлеринде белгиленген басқа  да жағдайлар. ғалаба хабар қуралының шығарылыўын тоқтатыў оның дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықтың ҳǝрекет етиўи тоқтатылыўына себеп болады. Ғалаба хабар қуралының шығарылыўын тоқтатыў ҳаққында шөлкемлестириўши тǝрепинен шешим қабыл етилген жағдайда, редакция шөлкемлестириўшиниң рухсаты менен дǝл усындай атамадағы ғалаба хабар қуралын белгиленген тǝртипте шөлкемлестириўге ҳақылы. Бундай жағдайда ғалаба хабар қуралын қайта дизимнен өткериў талап етиледи.

IV БАП. Ғалаба хабар қураллары өнимин тарқатыў. Ғалаба хабар қураллары базарын монополияластырыўға жол қойылмаўы

25-статья. Ғалаба хабар қураллары өними Дǝўирли баспа басылымның өз алдына санының тиражы ямаса тиражының бир бөлеги яки теле-, радио-, видео-, кинохроникалық бағдарламалардың ҳǝм ғалаба хабарды мезгилли тарқатыўдың басқа да электрон тǝриздеги өз алдына шығарылыўы ғалаба хабар қуралларының өними болып табылады. 26-статья. Ғалаба хабар қураллары өнимин тарқатыў Ғалаба хабар қуралы өнимин тарқатыў тиккелей редакция тǝрепинен, сондай-ақ белгиленген тǝртипте юридикалық ҳǝм физикалық шахслар тǝрепинен шǝртнама тийкарында ǝмелге асырылыўы мүмкин. Баспа ғалаба хабар қураллары өнимин тарқатыў оларға жазылыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ усақлап сатыў тармағы арқалы ǝмелге асырылады. Дизимнен өткерилген мезгилли баспа басылымлар тиражын усақлап саўда арқалы, соның ишинде қолда сатыў басылымлардың редакцияларының штаттағы тарқатыўшылары тǝрепинен ямаса саўда тармағына ийе болған юридикалық шахслар, сондай-ақ жеке  тǝртиптеги исбилерменлер тǝрепинен, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. Ғалаба хабар қуралының ҳǝр бир өз алдына шығарылыўының тарқатылыўына бас редактор оның шығарылыўы ушын рухсат бергеннен соң ғана жол қойылады. Көрсетиў ҳǝм еситтириў үзиликсиз даўам еткенде ғалаба хабар қуралы өниминиң тарқатылыўына бас редактор дǝслепки рухсат берген пайыттан баслап жǝне көрсетиў ҳǝм еситтириўдеги тǝнеписке дейин жол қойылады. 27-статья. Мезгилли баспа басылымның электрон версиясы Мезгилли баспа басылымның электрон версиясы мезгилли баспа басылымды тарқатыў усылларынан бири болып табылады. Тийисли мезгилли баспа басылымның баспа ҳǝм электрон версияларының мазмуны бир қыйлы болған ҳǝм нызам ҳүжжетлери талапларына бойсынылған жағдайда, мезгилли баспа басылым редакциясы мезгилли баспа басылымның электрон версиясын өз алдына ғалаба хабар қуралы сыпатында дизимнен өткерместен тарқатыўға ҳақылы. Мезгилли баспа басылымның баспа версиясында бар болған реклама хабарларының электрон версиядан алып тасланыўы ҳǝм (ямаса) пүткиллей яки бир бөлегинде алмастырылыўы, сондай-ақ электрон версияда берилген материаллар көлеминиң баспа версиядағыға салыстырғанда қысқартылыўы мазмунының бир қыйлылығы бузылыўы деп қаралмайды. Мезгилли баспа басылымның редакциясы мезгилли баспа басылымның электрон версиясы тарқатылыўы ҳаққында дизимнен өткериўши уйымды жазба түрде хабардар етиўи шǝрт. 28-статья. Мезгилли баспа басылымларға қосымшалар Мезгилли баспа басылымлар қосымшалар менен шығарылыўы мүмкин. Қосымшалар қайсы мезгилли басылымға тийисли болса, оларда усы тийкарғы мезгилли баспа басылымның атамасы көрсетилиўи керек. мезгилли баспа басылымның өз алдына атамаға ийе болған қосымшаларына өз алдына ғалаба хабар қуралы сыпатында қаралады ҳǝм ол улыўма тийкарларда дизимнен өткерилиўи тийис. 29-статья. Қадағалаў нусқалары ҳǝм мǝжбүрий нусқалар Мезгилли баспа басылымның қадағалаў нусқалары редакцияға, шөлкемлестириўшиге ҳǝм дизимнен өткериўши уйымға бийпул жибериледи. Мезгилли баспа басылымның мǝжбүрий нусқалары жиберилетуғын мǝкемелер ҳǝм шөлкемлердиң дизими Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тǝрепинен белгиленеди. 30-статья. Ғалаба хабар қураллары базарын монополияластырыўға жол қоймаў Ғалаба хабар қураллары базарын монополияластырыўға жол қойылмайды. Ҳеш бир юридикалық ямаса физикалық шахс ғалаба хабар қуралларының тийисли орайлық ямаса жергиликли базарына шығарылатуғын ғалаба хабар қуралларының жигирма бес процентиниң асламына шөлкемлестириўши (биргеликтеги шөлкемлестириўши) болыўға ҳǝм (ямаса) оларды усындай муғдарда өз мүлкинде, ийелигинде, пайдаланыўында, бийлигинде, жүргизиўинде ямаса басқарыўында (тиккелей ямаса аффилленген шахслар арқалы) сақлаўға ҳақылы емес. 31-статья. Қарақалпақстан Республикасы аймағында сырт ел ғалаба хабар қураллары өнимлерин тарқатыў Қарақалпақстан Республикасы аймағында сырт ел ғалаба хабар қураллары өнимлерин тарқатыў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети белгилейтуғын тǝртипке, сондай-ақ Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамаларына муўапық ǝмелге асырылады. Сырт ел ғалаба хабар қураллары тǝрепинен ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талаплары бузылған жағдайда, олардың өнимин Қарақалпақстан Республикасы аймағында тарқатыў тоқтатылыўы мүмкин.

V БАП. Ғалаба хабар қуралларының пуқаралар ҳǝм шөлкемлер менен қатнасықлары

32-статья. Авторлық материаллардан ҳǝм хатлардан пайдаланыў Ғалаба хабар қуралларында авторлық материаллардан, илим, ǝдебият ҳǝм көркем өнер шығармаларынан нызам ҳүжжетлерине муўапық пайдаланылыўына жол қойылады. Редакцияға келген хатларды жǝриялаўға таярлаў пайытында олардың мазмунын бузбаған ҳалда текстин қысқартыў ҳǝм редакторлаўға жол қойылады. Редакция нызамлы тийкарда қайтарған материалды ғалаба хабар қуралында мǝжбүрлеп жǝриялатыўға ҳеш ким ҳақылы емес. 33-статья. Мǝлимлеме дǝрегин жǝрия етпеў Редакция өз атын жǝрия етпеў шǝрти менен берилген мǝлимлеме, мағлыўматлар, фактлар ямаса дǝлиллер дерегиниң атын, сондай-ақ лақабын қойған автордың атын олардың жазба түрдеги келисимисиз жǝрия етиўге ҳақылы емес. Редакция мǝлимлеме дерегиниң ямаса лақабын қойған автордың талабына муўапық олардың атынан судта қатнасыўы мүмкин. 34-статья. Бийкарлаў ямаса жуўап қайтарыў ҳуқықы Юридикалық ямаса физикалық шахс ғалаба хабар қуралында жǝрияланған, ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын ҳǝм өзиниң абырайына жǝне ар-намысы яки исшеңлик абыройына шек келтириўши мағлыўматлар ушын бийкарлаў бериўди редакциядан талап етиўге ҳақылы. Жǝрияланған материал себепли ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплери бузылған юридикалық ҳǝм физикалық шахслар усы ғалаба хабар қуралында бийкарлаў ямаса жуўапты жǝриялаўға ҳақылы. Жуўап ямаса бийкарлаў жуўап берилиўине себеп болған материал басылған дǝл усы бетте арнаўлы рубрика астында жǝрияланыўы тийис. Бийкарлаў ямаса жуўап газеталарда олар алынған күннен баслап бир ай мүддет ишинде, басқа дǝўирли басылымларда гезектеги санда жǝрияланыўы шǝрт. Теле-, радио-, видео-, кинохроникалық бағдарламалар ҳǝм ғалаба хабарды мезгилли тарқатыўдың басқа да электрон версиялары редакциясы тǝрепинен алынған бийкарлаў ямаса жуўап усы бағдарлама ямаса дүркимде, келген күннен баслап бир айдан кешиктирмей эфирге бериледи. Егер бийкарлаў ямаса жуўапты жǝриялаў көлеми ҳǝм ўақты ғалаба хабар қуралының жумысына зыян келтириўи мүмкин болса, текстти мǝлимлеме дереги ямаса автор менен келисилген ҳалда тийкары редакторлаўға жол қойылады. Ғалаба хабар қуралы бийкарлаўды, жуўапты жǝриялаўдан бас тартса ямаса оларды жǝриялаў ушын белгилеп қойылған мүддетти бузса, юридикалық ямаса физикалық шахс даўа арза менен судқа мүрǝжат етиўге ҳақылы.  35-статья. Рǝсмий хабарлар ҳǝм мǝлимлемелерди жǝриялаў Мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымлары тǝрепинен шөлкемлестирилген ғалаба хабар қураллары усы уйымлардың рǝсмий хабарлары ҳǝм материалларын, сондай-ақ нормативлик – ҳуқықый ҳүжжетлерди жǝриялаўы шǝрт. Айырықша жағдайлар ҳаққындағы қыстаўлы хабарлар ямаса ўǝкилликли мǝмлекетлик уйымлар тǝрепинен жǝмийетшиликке тезлик пенен билдириў мақсетинде берилген хабарлар барлық ғалаба хабар қуралларында жǝрияланады. Судтың дǝл усы ғалаба хабар қуралында жǝриялаў ҳаққындағы көрсетпеси болған, нызамлы күшке кирген шешимин редакция суд шешиминде көрсетилген мүддетте бийпул жǝриялаўы шǝрт. Усы статьяның биринши – үшинши бөлимлеринде нǝзерде тутылғанынан басқа ҳǝр қандай мǝлимлеме, хабар ҳǝм дағаза редакция менен дүзилетуғын шǝртнама тийкарында жǝрияланады.

VI БАП. Жуўмақлаўшы режелер

36-статья. Мǝлимлеме агентликлери Усы Нызам мǝлимлеме агентликлерине қолланылған жағдайда, оларға бир ўақыттың өзинде ғалаба хабар қуралының редакциясы, басып шығарыўшысы, тарқатыўышысы статусы ҳǝм ҳуқықый режими қолланылады. Мǝлимлеме агентликлери тǝрепинен шөлкемлестирлетуғын, турақлы атамаға ийе болған бюллетень, хабарнама, басқа да басылым ямаса бағдарлама усы Нызамда белгиленген тǝртипте дизимнен өткериледи. Мǝлимлеме агентлигиниң хабарлары ҳǝм материаллары басқа ғалаба хабар қуралы тǝрепинен тарқатылған жағдайда, мǝлимлеме агентлигиниң атамасы көрсетилиўи шǝрт. 37-статья. Халықаралық бирге ислесиў Ғалаба хабар саласындағы халықаралық бирге ислесиў халықаралық ҳуқықтың улыўма тǝн алынған принциплери ҳǝм нормалары, сондай-ақ Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамалары ҳǝм нызам ҳүжжетлери тийкарында ǝмелге асырылады. 38-статья. Сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўǝкилханалары ҳǝм ўǝкиллерин аккредитациялаў Сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўǝкилханалары ҳǝм ўǝкиллери Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде аккредитацияланғаннан кейин Өзбекстан Республикасында өз жумысын ǝмелге асырады. Сырт ел ғалаба хабар қуралларының Қарақалпақстан Республикасында аккредитацияланған ўǝкилханалары ҳǝм ўǝкиллериниң ҳуқықый статусы ҳǝм кǝсиплик жумысын ǝмелге асырыў шǝртлери нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 39-статья. Тартысларды шешиў   Ғалаба хабар қуралларының шөлкемлестирилиўи, жумыс алып барыўы ҳǝм жумысының тоқтатылыўы саласында жүзеге келетуғын тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте шешиледи. 40-статья. Ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы Нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкерлик Ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыплы болған шахслары белгиленген тǝртипте жуўапкер болады. Бас редактор, сондай-ақ журналист ғалаба хабар қуралларында ҳақыйқатқа сǝйкес келмейтуғын материалларды тарқатқанлығы ушын төмендеги жағдайларда жуўапкер болмайды: егер бул мағлыўматлар рǝсмий хабарлардан, нормативлик – ҳуқықый ҳүжжетлерден ямаса рǝсмий статистика есабатлары мағлыўматларынан ямаса мǝлимлеме агентликлери яки мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларының баспасөз хызметлери арқалы алынған болса; егер бул мағлыўматлар алдын-ала жазып алынбастан эфирге берилетуғын авторлық шығыўларда бар болса ямаса шығыўлардың сөзбе-сөз тǝкирарланыўы (стенография-, аудио-, видеожазыўы) болса.