Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ҲҮЖДАН ЕРКИНЛИГИ ҲӘМ ДИНИЙ ШӨЛКЕМЛЕР ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 28.11.1998-ж. №412/I ҲҮЖДАН ЕРКИНЛИГИ ҲӘМ ДИНИЙ ШӨЛКЕМЛЕР ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакцияда)

Усы Нызамларға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 22.05.2010-ж. 31/II-санлы ҚР Нызамы 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы 1-статья. Нызамның мақсети Бул Нызамның мақсети ҳǝр бир адамның ҳүждан еркинлиги ҳǝм динге сыйыныў ҳуқықын, динге мүнǝсибетине қарамастан пуқаралардың теңлигин тǝмийинлеў, сондай-ақ диний шөлкемлердиң жумысы менен байланыслы қатнасықларды тǝртиплестириўден ибарат. 2-статья. Ҳүждан еркинлиги ҳǝм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызам актлери Ҳүждан еркинлиги ҳǝм диний шөлкемлер ҳаққындағы Нызам актлери Қарақалпақстан Республикалары Конституциясынан, усы Нызам ҳǝм басқа нызам актлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасы ҳǝм Қарақалпақстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында «Ҳүждан еркинлиги ҳǝм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамында нǝзерде тутылған қǝделерден басқаша қǝделер белгиленген болса, халықаралық шǝртнама режелери пайдаланылады. 3-статья. Ҳүждан еркинлиги ҳуқықы Ҳүждан еркинлиги - бул пуқаралардың қǝлеген динди тутыў ямаса ҳеш қандай динди тутпаўдан ибарат кепилленген конституциялық ҳуқықы болып есапланылады. Пуқара өзиниң динге мүнǝсибетин, динди тутыўға ямаса динди тутпаўға, қудайға сыйыныўға, диний салт-дǝстүрлерге ҳǝм мǝресимлерге, диний оқыўға қатнасыў ямаса қатнаспаў мүнǝсибетин белгилегенде оны мǝжбүрлеўге жол қойылмайды. Кǝмалат жасына жетпеген балаларды диний шөлкемлерге тартыў, сондай-ақ олардың еркине, ата-аналары ямаса олардың орнын басатуғын адамлардың еркине қарсы жағдайда динге оқытыўға жол қойылмайды. Динди ямаса басқа исенимлерди тутыў еркинлигин ǝмелге асырыўда миллий қǝўипсизликти ҳǝм жǝмийетлик тǝртипти, басқа пуқаралардың өмири, денсаўлығы ҳǝм моралын, сондай-ақ ҳуқықларын ҳǝм еркинликлерин қорғаў ушын тек зǝрүрли  шеклеўлер болыўы мүмкин. Сырт ел пуқаралары ҳǝм пуқаралығы болмаған адамлар Қарақалпақстан Республикасы пуқаралары менен тең рǝўиште ҳүждан еркинлиги ҳǝм динди тутыў еркинлигинен пайдаланады ҳǝм ҳүждан еркинлиги ҳǝм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызам актлерин бузғаны ушын нызамда белгиленген тǝртипте жуўапкер болады. 4-статья. Пуқаралардың динге мүнǝсибетине қарамастан тең ҳуқықлылығы Қарақалпақстан Республиукасы пуқаралары динге мүнǝсибетине қарамастан Нызам алдында тең. Рǝсмий актлеринде пуқаралардың динге мүнǝсибетиниң көрсетилиўине жол қойылмайды. Пуқаралардың динге мүнǝсибетине қарап олардың ҳуқықларын ҳǝр қандай шеклеў ҳǝм оларға тиккелей ямаса қосымша артықмашылықлар бериў, душпанлықты ҳǝм өшпенлиликти қоздырыў, диний ямаса атеистлик исеними менен байланыслы олардың намысына тийиў, диний зияратларды аяқ асты етиў Нызамда белгиленген жуўапкершиликлерге (объектлер)  алып келеди. Ҳǝр ким өз исенимин бǝнелеп Нызам менен белгиленген миннетлерди орынлаўдан бас тартыўға ҳақылы емес. Бир миннетти орынлаў орнына диний исенимлерди сылтаў етип, басқа миннетти орынлаўға тек нызам актлеринде нǝзерде тутылған жағдайларда ғана жол қойылады. 5-статья. Динди мǝмлекеттен ажыратыў Қарақалпақстан Республикасында дин мǝмлекеттен ажыратылған. Бир динниң ямаса бир неше динниң басқа динлерден қандай да бир жеңиллик ямаса шеклеўлер белгилеўге жол қойылмайды. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Мǝмлекет ҳǝр қыйлы динлерге сыйынатуғын ҳǝм оларға сыйынбайтуғын пуқаралар, ҳǝр қыйлы динлердиң диний шөлкемлери арасында маўасалы ҳǝм ҳүрметли қатнасықларды орнатыўға жǝрдемлеседи, ҳǝр қыйлы динлер менен конфессиялар арасында бир-биреўди қарама-қарсы қойыўға ҳǝм қатнасықларды кескинлестириўге, душпанлықты күшейтиўге қаратылған диний ҳǝм басқа көзсизликке, экстремистлик ҳǝрекетке жол қоймайды. Мǝмлекет диний конфессиялар арасындағы тынышлық ҳǝм татыўлықты қоллап-қуўатлайды. Бир диний конфессиядағы динге сыйыныўшы (диндар)лардың басқасына киргизилиўине қаратылған ҳǝрекетлер (прозелитизм), сондай-ақ басқа ҳǝр қандай миссионерлик ҳǝрекетлерине тыйым салынады. Белгиленген нормалардың бузылыўында айыпкер болған адамлар Нызамға муўапық жуўапкершиликке тартылады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Мǝмлекет диний шөлкемлерге қандай болмасын мǝмлекетлик ўазыйпаларды орынлаўды жүклемейди, олардың нызамға қарсы болмаған жумысына араласпайды. Диний шөлкемлер мǝмлекетлик ўазыйпаларды атқармайды. Мǝмлекет диний шөлкемлердиң жумысын ҳǝм атеизмди үгит-нǝсиятлаў бойынша жумысты қаржы менен тǝмийинлемейди. Қарақалпақстан Республикасында диний көзқарастағы сиясий партия ҳǝм жǝмийетлик ҳǝрекетлерди, сондай-ақ, республикадан сыртта дүзилген диний партиялардың филиалларын ҳǝм бөлимлерин дүзиўге ҳǝм олардың ҳǝрекет етиўи (жумыс ислеўи) не жол қойылмайды. Диний шөлкемлер ҳǝрекеттеги нызамлардың талапларын орынлаўы шǝрт. Динди мǝмлекетке ҳǝм Конституцияға қарсы үгит-нǝсиятлаў, душпанлықты, өшпенлиликти, миллетлераралық алаўызлықты оятыў, мораллық негизлерди ҳǝм пуқаралық татыўлықты бузыў, жала, жағдайды турақсызландырыўшы жалған-алжасықларды тарқатыў, халық арасында қорқыныш пайда етиў ҳǝм мǝмлекетке, жǝмийет ҳǝм адамға қарсы қаратылған басқа ҳǝрекетлерди ислеў мақсетинде пайдаланыўға жол қойылмайды. Терроризм, наркобизнес ҳǝм шөлкемлескен жынаятшылыққа жǝрдемлесетуғын, сондай-ақ басқа ғǝрезли мақсетлерди нǝзерлеўши диний шөлкемлер, ағымлар, секталар ҳǝм басқа да топарлардың ҳǝрекетине тыйым салынады. Мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларына, лаўазымлы шахсларға басым өткериўге қаратылған ҳǝр қандай ҳǝрекет, сондай-ақ жасырын диний искерлик нызам менен қадаған етиледи. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 6-статья. Мǝмлекетлик уйымлардың ҳǝм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының диний шөлкемлер менен өз ара қатнасықлары бойынша ўǝкилликлери Мǝмлекетлик уйымлар менен диний шөлкемлердиң өз-ара қатнасықларын муўапықластырыў ҳǝм ҳүждан еркинлиги жǝне диний шөлкемлер ҳаққындағы нызам актлериниң орынланыўын қадағалаў ўазыйпасы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине жүкленеди. Районлар ҳǝм қалалар ҳǝкимликлери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тийисли аймақларда ҳүждан еркинлиги ҳǝм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызам актлериниң ǝмелге асырылыўы ушын нызам бойынша жуўапкер болып табылады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 7-статья. Билимлендириў ҳǝм дин Қарақалпақстан Республикасында билимлендириў тараўы диннен ажыратылған. Билимлендириў саласының оқыў бағдарламаларына диний тǝлимниң киргизилиўине жол қойылмайды. Қарақалпақстан Республикасының пуқараларының дүньялық тǝлим алыў ҳуқықы олардың динге болған қатнасықларына қарамастан тǝмийин етиледи. 8-статья. Диний шөлкемлер Қарақалпақстан Республикасы пуқараларының динди тутыў, сыйыныў, диний салт-дǝстүрлерди ҳǝм мǝресимлерди биргеликте атқарыў мақсетинде дүзилген ықтыярлы бирлеспелери (диний жǝмийетлер, диний оқыў орынлары, мешитлер, ҳǝм басқалар) диний шөлкемлер болып табылады. Диний шөлкем Қарақалпақстан Республикасының 18 жасқа толған ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы аймағында турақлы жасаўшы жүзден кем болмаған пуқараларының басламасы менен дүзиледи. ( 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында алып тасланған) Диний шөлкемлер Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик ўǝзирлигинде дизимге алынғаннан соң юридикалық тǝреп статусына ийе болады ҳǝм нызам актлеринде нǝзерде тутылған тǝртипте өз жумысын ǝмелге асырыўы мүмкин. Тийисли диний мағлыўматқа ийе болған Өзбекстан Республикасының пуқаралары диний шөлкемниң басшылары болыўы мүмкин. Диний шөлкемлер басшылығына Өзбекстан  Республикасының пуқарасы болмаған шахслардың кандидатурасы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет пенен келисип алынады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 9-статья. Диний оқыў орынлары Диний шөлкемлердиң орайлық басқарыў уйымлары диний хызметкерлерди ҳǝм өзлерине зǝрүр болған диний қǝнигеликлерге ийе басқа да хызметкерлерди таярлаў ушын диний оқыў орынларын дүзиўге ҳақылы. Диний оқыў орынлары тийисли ўǝкилликли уйымда дизимнен өтип, лицензия  алғаннан кейин жумыс алып барыў ҳуқықына ийе болады. Жоқары ҳǝм орта диний оқыў орынларында билим алыў ушын пуқаралар нызамға муўапық улыўма мǝжбүрий орта билим алғаннан соң қабыл етиледи. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Диний оқыў орынларында диний пǝнлерди оқытып атырған адамлар диний мағлыўматқа ийе болыў ҳǝм өз жумысларын тийисли орайлық басқарыў уйымының рухсаты менен ǝмелге асырыўы тийис. Жеке тǝртипте диний тǝлим бериў қадаған етиледи. 10-статья. Диний шөлкемлердиң уставы Диний шөлкемлердиң уставы төмендеги мағлыўматларды өз ишине алған болыўы керек: диний шөлкемниң атамасы, түри, мǝкан жайы, қайсы динге қараслылығы; мақсети, ўазыйпалары ҳǝм жумысының тийкарғы түрлери; жумысын шөлкемлестириў ҳǝм тоқтатыў тǝртиби; дүзилиси ҳǝм басқарыў уйымлары; қаржы дǝреклери ҳǝм усы шөлкем ишиндеги, сондай-ақ оннан тысқарыдағы мүлклик қатнасықлары; уставқа өзгерислер ҳǝм қосымшалар киргизиў тǝртиби; усы диний шөлкемге тийисли басқа мағлыўматлар. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында алып тасланған)  11-статья. Диний шөлкемлерди дизимге алыў Қарақалпақстан Республикасында диний шөлкемлерди дизимге алыў Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик ўǝзирлиги тǝрепинен Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Ўǝзирлер Кеңеси Баслығының усы салалар бойынша орынбасары жанындағы дин ислери бойынша ўǝкили менен келисилген жағдайда ǝмелге асырылады. Диний шөлкемлерди дизимге алыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады: жалпы саны жүзден кем емес Қарақалпақстан Республикасы пуқараларының басым бөлегиниң қол қойған арзасы: диний шөлкемниң уставы; шөлкемлестириў жыйналысының баянламасы; диний шөлкемниң жайласқан орнын тастыйықлаўшы ҳүжжет; мǝмлекетлик бажы төленгенлиги ҳаққында ҳүжжет. (22.05.2010-ж. 31/II-санлы-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында алып тасланған) Диний шөлкемлер дизимнен өткериў ҳаққында арза берилген күннен баслап бир айлық мүддетте көрип шығылады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Әдиллик ўǝзирлиги  қосымша материаллар талап етип алыўға ҳǝм тийисли уйымлардың эксперт жуўмағын алыўға ҳақылы. Бундай жағдайда қарар дизимнен өткериў ҳаққында арза берилген күннен баслап үш айлық мүддетте қабыл етиледи. Диний шөлкемниң уставына киргизилген қосымшалар ҳǝм өзгерислер диний шөлкемди дизимге алыўдағы тǝртип ҳǝм мүддетлерде дизимге алыныўы тийис. Диний шөлкемлер басшыларының шөлкем уставын мǝмлекетлик уйымлардан дизимнен өткериўден бас тартыўы Нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкершиликке алып келеди. Диний шөлкемлердиң жумысының өз уставына муўапықлығын бақлаў диний шөлкемди дизимге алған уйым тǝрепинен ǝмелге асырылады. Диний шөлкемлердиң дизимнен өтпей ҳǝрекет етиўине жол қойған лаўазымлы адамлар Нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкер болады. 12-статья. Диний шөлкемди дизимге алыўдан бас тартыў Егер диний шөлкемниң уставының режелери ҳǝм басқа ҳүжжетлери усы Нызам яки Қарақалпақстан Республикасының басқа нызам актлериниң талапларына қайшы келсе, оны дизимге алыўдан бас тартылыўы мүмкин. Диний шөлкемди дизимге алыўдан бас тартылғанда бас тартыў тийкарлары көрсетилген қарар жазба түрде арза ийелерине жибериледи. Диний шөлкемниң басламашылары устав нызам актлерине муўапық жағдайға келтиргеннен соң, уставты дизимге алыў ҳаққындағы арза менен тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик ўǝзирлигине қайтадан мүрǝжат етиў ҳуқықына ийе. Диний шөлкемди дизимге алыўдан бас тартқанлығы ямаса !диллик ўǝзирлиги тǝрепинен усы Нызам талаплары бузылғанлығы үстинен судқа шағым етилиўи мүмкин. 13-статья. Диний шөлкемниң жумысын тоқтатыў Диний шөлкемниң жумысы ол өзин-өзи тарқатып жибергенде ямаса усы Нызамның, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасының басқа да  нызам актлериниң шǝртлери  бузылған жағдайда тоқтатылыўы мүмкин. Диний шөлкемниң жумысын тоқтатыў ҳаққындағы қарар оны дизимге алған уйым тǝрепинен қабыл етиледи. Бул қарар үстинен судқа шағым етилиўи мүмкин. 14-статья. Диний салт-дǝстүрлер ҳǝм мǝресимлер Диний шөлкемлер қудайға еркин сыйыныў ямаса диний жыйналыслар өткериў ушын қолайлы орынларды дүзиў ҳǝм оларды сақлаў, сондай-ақ зияратлаў орынларын сақлаў ҳуқықына ийе. Қудайға сыйыныў, диний салт-дǝстүрлер ҳǝм мǝресимлер диний шөлкемлер жайласқан жердеги мешитлерде, зияратлаў орынларында қǝбирстанлықларда, зǝрүрли жағдайларда пуқаралардың қǝлеўи бойынша олардың үйлеринде өткериледи. Емлеўханаларда, ǝскерий даўалаў мǝкемелеринде (госпиталларда), егеделер ҳǝм майыплар үйлеринде, дǝслепки қамақ жǝне жазаны өтеў орынларындағы ибадат етиўлер менен диний тутымлар сол жердеги пухаралардың өтинишине байланыслы өткизиледи. Диний мǝресим ҳǝм сыйыныў имаратларынан сыртта өткерилетуғын улыўма ибадат етиўлер, диний салт-дǝстүрлер менен мǝресимлер Қарақалпақстан Республикасы нызам актлеринде белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. Қарақалпақстан Республикасы пуқараларының (диний шөлкемлердиң хызметиндегилерден басқа) жǝмийетлик орынларда қудайға сыйыныўға арналған кийимлеринде жүриўине жол қойылмайды. Диний шөлкемлер динге сыйыныўшылардан мǝжбүрий пул жыйымлары ҳǝм төлеўлер өндириўге, сондай-ақ оларға қарсы адамның абырайын, қǝдир-қымбатын кемситиўши шараларды қолланыўға ҳақылы емес. 15-статья. Диний шөлкемлердиң меншиги Диний шөлкемлердиң өз қаржылары есабынан сатып алынған ямаса исленген (дөретилген), пуқаралар, жǝмийетлик бирлеспелер ўǝсият қылған ямаса мǝмлекет тǝрепинен берилген, сондай-ақ сырт елде жайласқан ҳǝм нызам актлеринде нǝзерде тутылған басқа тийкарларда алынған, өз жумысын тǝмийинлеў ушын зǝрүр болған жайлары, имаратлары, сыйыныў қураллары, өндирислик, социаллық ҳǝм қайырқомлық объектлери, ақша қаржылары ҳǝм басқа мал-мүлклер олардың меншиги болыўы мүмкин. Диний шөлкемлердиң меншик ҳуқықлары Нызам менен қорғалады. 16-статья. Мǝмлекет меншигиндеги мүликтен пайдаланыў Диний шөлкемлер мǝмлекетлик уйымлары тǝрепинен шǝртнама тийкарында берилетуғын жайлардан ҳǝм мүлклерден өз мүтǝжлери ушын пайдаланыўға ҳақылы. Материаллық мǝдений мийрас объектлерин диний шөлкемлерге пайдаланыў ушын бериў нызам актлерине муўапық ǝмелге асырылады. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Диний шөлкемлер ушын жер ажыратыў ҳǝм диний имаратлар қурыў белгиленген тǝртипте Қарақалпақстан Республикасы Ўǝзирлер Кеңесиниң, тийислисинше қала ҳǝм район ҳǝкимликлериниң руқсаты менен белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. 17-статья. Өндирислик ҳǝм хожалық жумысы (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында алып тасланған) 18-статья. Өз жумысын тоқтатқан диний шөлкемлердиң мүлклерине бийлик етиў Диний шөлкемлердиң жумысы тоқтатылғаннан кейин оларға пайдаланып турыў ушын берилген мүлклер оның бурынғы ийелерине қайтарылады. Диний шөлкемлердиң жумысы тоқтатылған жағдайда, оларға қараслы мүлкине ийелик етиў олардың уставы ҳǝм нызам хүжжетлерине муўапық ǝмелге асырылады. Кредиторлардың талапларын қанаатландырыў ушын өндириў-ге қаратылыўы мүмкин болмаған сыйыныўға тийисли мүлклердиң дизими диний шөлкемлердиң усынысына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Ўǝзирлер Кеңеси тǝрепинен белгиленеди. Мийрасхорлары болмаған ҳалда, мүлк мǝмлекеттиң меншигине өтеди. 19-статья. Диний ǝдебиятлар ҳǝм диний мақсеттеги буйымлар (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында алып тасланған) Сырт елде баспадан шығарылған диний ǝдебиятларды алып келиў ҳǝм таратыў олардың мазмуны нызам актлеринде белгиленген тǝртипте экспертизадан өткерилгеннен соң ǝмелге асырылады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында алып тасланған) Диний экстремизм, сепаратизм, өшпенлилик ҳǝм алааўызлық идеяларын өз ишине алған басылымларды, кино, фото,аудио өнимлерин ҳǝм сол тǝризли басқа да өнимлерди таярлаў, сақлаў ҳǝм таратыў нызам актлерине муўапық жуўапкершиликке алып келеди. 20-статья. Диний шөлкемлердиң қайырқомлық жумысы Диний шөлкемлер қайырқомлық ҳǝм мийрим-шǝпǝǝт жумысларын ǝмелге асырыўға ҳақылы. 21-статья. Диний шөлкемлерде мийнет қатнасықлары Диний шөлкемлерде мийнет шǝртнамалары (контрактлары) бойынша ислейтуғын пуқараларға Өзбекстан Республикасының мийнет ҳаққындағы нызам актлери қолланылады. 22-статья. Диний шөлкемлердиң халықаралық байланыслары Диний шөлкемлер ҳүрметленетуғын орынларды зиярат етиў ямаса  басқа диний илажларға қатнасыў мақсетинде нызам актлерине муўапық халықаралық байланыслар менен қарым-қатнасықлар орнатыўға  ҳақылы. 23-статья. Ҳүждан еркинлиги ҳǝм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамларды бузғанлық ушын жуўапкершилик Ҳүждан еркинлиги ҳǝм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамларды бузыўда айыплы болған лаўазымлы шахслар, диний шөлкемлердиң хызметиндегилер ҳǝм пуқаралар нызамшылықта белгиленген тǝртипте жуўапкершиликке тартылады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)