Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ТОҒАЙ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ ТОҒАЙ ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакцияда)

 1-бап. Улыўма қағыйдалар

1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Тоғай ҳаққындағы нызамшылық Тоғай ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық ҳүжжетлеринен ибарат. Жер, суў, жер асты байлықлары, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясынан пайдаланыў ҳәмде оларды қорғаў менен байланыслы болған, тоғайлардан пайдаланыў тараўындағы қатнасықлар тийисли нызамшылық пенен тәртипке салынады. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының тоғай ҳаққындағы нызамшылығында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады. 3-статья. Тоғайлардың ўазыйпалары Тоғайлар тийкарынан экологиялық (топырақты қорғаў, суўды қорғаў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын ҳәмде басқа да тәбийий ресурсларды сақлаў, қорғаў, санитария-гигиена, саўаландырыў, рекреация) ҳәм социаллық-экономикалық ўазыйпаларды атқарады. 4-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: тоғай – тоғай қоры жерлериндеги өз-ара тәсир көрсетиўши ҳәм қоршаған орталыққа тәсир көрсететуғын, экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық әҳмийетке ийе тереклер, путалар ҳәм басқа да тәбийий объектлер (жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы, атмосфера ҳаўасы) жыйындысы; тоғайларды көбейтиў – тоғай менен қапланбаған тоғай қоры жерлеринде тереклер ҳәм путаларды егиў ҳәмде жетистириў; тоғайларды қорғаў – тоғайларға унамсыз тәсирлердиң алдын алыўға қаратылған ҳәрекет; тоғайларды тәкирарый көбейтиў – терек ҳәм путалардың тәбийий орталықта өсиўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәмде тоғай қоры жерлеринде тоғай тереклери туқымлары ҳәм нәллерин плантация усылында егиў; тоғайдан пайдаланыўшылар – тоғайдан пайдаланыўшы юридикалық ҳәм физикалық шахслар; тоғайларды қайта тиклеў – кесилген, өртлер, тоғай зыянкеслери, кеселликлери ҳәмде басқа да кери тәсирлер ақыбетинде зыянланған терек ҳәм путалар орнына ықлым шараятларына сай келетуғын терек ҳәм путалар түрлерин егиў. 5-статья. Тоғайларға болған мүликшилик Тоғайлар мәмлекетлик мүлик – улыўмамиллий байлық болып, олардан ақылға уғрас пайдаланыў тийис ҳәмде олар мәмлекет тәрепинен қорғалады. 6-статья. Мәмлекетлик тоғай қоры Барлық тоғайлар мәмлекетлик тоғай қорын қурайды. Мәмлекетлик тоғай қоры: мәмлекетлик әҳмийетке ийе тоғайлардан, яғный мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары ықтыярындағы тоғайлардан; басқа да мәкемелер ҳәм юридикалық шахслар пайдаланыўындағы тоғайлардан ибарат. 7-статья. Мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын терекзар ҳәм путалықлар Төмендегилер мәмлекетлик тоғай қорына кирмейди: аўыл хожалығына ажыратылған жерлердеги егисликлердиң қорғаўшы терекзарлары, сондай-ақ басқа да терекзар ҳәм путалықлар; темир жоллардың, автомобиль жолларының, тәбийий ҳәм жасалма суў ағысларының, суў ҳәўизлериниң ҳәм басқа да суў объектлериниң ажыратылған аймақларындағы қорғаў терекзарлары; қалалар ҳәм басқа да елатлы пунктлердеги терекзарлар ҳәм путалықлар, сондай-ақ көклемзарластырыў ушын егилген өсимликлер; үй қапталы қыйтақ жерлериндеги ҳәм бағ участкаларындағы терекзарлар ҳәм путалықлар. Мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын терекзарлар ҳәм путалықларды жаратыў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў, оларды тәрбиялаў, қорғаў ҳәмде олардан ақылға уғрас пайдаланыў өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылықта белгиленген тәртипте әмелге асырылады. 8-статья. Тоғай қоры жерлери Тоғай менен қапланған жерлер, сондай-ақ тоғай менен қапланбаған, бирақ тоғай хожалығы мүтәжликлери ушын берилген жерлер тоғай қоры жерлери деп есапланады. Тоғай қоры жерлериниң шегаралары нызамшылықта белгиленген тәртипте анықланады. Тоғай қоры жерлери нызамшылықта белгиленген тәртипте ийелик етиўге, пайдаланыўға, соның ишинде ижараға берилиўи мүмкин. 9-статья. Мәмлекетлик тоғай қоры участкалары Мәмлекетлик тоғай қоры участкалары мәмлекетлик тоғай қорының бир бөлеги болып, олар мәмлекетлик тоғай кадастрында көрсетилген шегараға, майданға, жайласқан жерине, ҳуқықый режимге ҳәм басқа да өзгешеликлерге ийе болады.

 2-бап. Тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўын тәртипке салыў

10-статья. Тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары Тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат: мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў, тастыйықлаў ҳәмде әмелге асырыў; қағыйдалар, нормалар ҳәм нормативлерди белгилеў; мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў; илим-изертлеў жумысын раўажландырыў; халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў. 11-статья. Тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик басқарыў Тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик басқарыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен өз ўәкилликлери шеңберинде әмелге асырылады. Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети ҳәм оның орынлардағы уйымлары мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымы есапланады.  12-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўында: бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлейди; норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм жетилистириўде қатнасады; мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм басқа бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәмде әмелге асырыўда қатнасады; аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады ҳәм тастыйықлайды ҳәмде олардың әмелге асырылыўын қадағалайды; мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының жумысын муўапықластырады; улыўма мәмлекетлик әҳмийетке ийе қорғалатуғын тәбийий аймақларды шөлкемлестириўде қатнасады; мәмлекетлик тоғай қорына бийлик етеди; тоғайлардың қорғалыў категорияларын анықлаў тәртибин белгилеўде қатнасады; тоғайдан пайдаланғанлығы ушын ҳақы өндириў тәртиби ҳәм муғдарларын белгилеўде қатнасады; мәмлекетлик қадағалаўды шөлкемлестиреди ҳәм әмелге асырады; тоғайлардың мониторингин, мәмлекетлик есабын ҳәм мәмлекетлик тоғай кадастрын жүритиў тәртибин белгилеўде қатнасады. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызамшылыққа  муўапық басқа ўәкилликлерди де әмелге асырыўы мүмкин.  13-статья. Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетиниң тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўында: бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырады; мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм жетилистириўде қатнасады; өз ўәкилликлери шеңберинде қағыйдалар, нормалар ҳәм нормативлерди ислеп шығыў ҳәм жетилистириўде қатнасады; барлық тоғайларда тоғай дүзиўдиң бирден-бир системасын белгилейди; тоғай қоры жерлеринде ведомстволық қадағалаўды әмелге асырады; Өзбекстан Республикасы Қызыл китабын жүритиўде қатнасады; нызамшылықта белгиленген тәртипте юридикалық ҳәм физикалық шахсларға өсимлик дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў, пишен орыў, шарўа малларын отлатыў, терекзарлар ҳәмде путалықларды кесиў ушын рухсатнама береди; тоғай қоры жерлеринде биотехникалық илажларды әмелге асырады; тоғай қоры жерлериндеги қорғалатуғын тәбийий аймақларды, тоғай-аңшылық, аңшылық ҳәм (яки) балықшылық хожалықларын жүритиў, басқарыў ҳәмде раўажландырыўды шөлкемлестиреди; тоғайларды қайта тиклеў ҳәм қорғаўшы тоғайларды көбейтиўге байланыслы илажлар ислеп шығылыўын ҳәмде әмелге асырылыўын, таў алды жерлери, жарлықлар ҳәм тасланды жерлерде эрозияға қарсы терекзарлар жаратыў жумысларының орынланыўын шөлкемлестиреди; тоғайлардың өнимдарлығын арттырыў мақсетинде заманагөй илимий-техникалық жетискенликлерди енгизеди, өсимликлер селекциясы ҳәм туқымгершилиги бойынша илимий изертлеўлер өткереди; декоратив, мийўели тереклер ҳәм путалықларды жетистириўге, дәрилик өсимликлердиң плантацияларын жаратыўға қаратылған усылларды ислеп шығады, декоратив өсимликлер нәллерин сертификатластырыў ҳәмде стандартластырыўдың бирден-бир системасы ислеп шығылыўы ҳәм енгизилиўин тәмийинлейди; тоғайлардың мониторингин, мәмлекетлик есабын, мәмлекетлик тоғай кадастрын белгиленген тәртипте жүритеди; тоғайларды өрттен, зыянкеслерден ҳәм кеселликлерден қорғаўға қаратылған илажлар әмелге асырылыўын, тоғайлардың нызамсыз кесиўлерден ҳәмде тоғай ҳаққындағы нызамшылықтың басқаша тәризде бузылыўларынан қорғалыўын тәмийинлейди; тоғай хожалықларында бир-бирине байланыслы болған хожалық жумысын кеңейтиў ҳәм раўажландырыўды, нәл жетистириўди, дәрилик өсимликлер жыйнаўды, палҳәррешилик, балықшылық, шарўашылық өнимлерин жетистириўди ҳәмде қайта ислеўди, халық тутыныў товарларын ислеп шығарыўды шөлкемлестиреди; тоғай хожалығы тараўында қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыўды шөлкемлестиреди. Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети нызамшылыққа муўапық басқа ўәкилликлерди де әмелге асырыўы мүмкин.  14-статья. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўында: мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди ҳәм өз ўәкилликлери шеңберинде қағыйдалар, нормалар ҳәм нормативлерди ислеп шығыўда қатнасады; мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырады; тоғай қорынан барлық түрдеги қурылыслар ушын жер участкаларын таңлаў материалларының, тоғай дүзиў жойбарларының, мәмлекетлик тоғай қорының тәбийий ресурсларынан пайдаланыў менен байланыслы жойбарларды, жойбар ҳүжжетлериниң мәмлекетлик экологиялық экспертизасын өткереди; мәмлекетлик тоғай қоры участкаларындағы Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизилген өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын юридикалық ҳәм физикалық шахсларға белгиленген тәртипте рухсатнама береди. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети нызамшылыққа муўапық басқа ўәкилликлерди де әмелге асырыўы мүмкин.  15-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы ўәкилликлери Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўында: мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәмде әмелге асырыўда қатнасады; аймақлық бағдарламаларды тастыйықлайды ҳәм әмелге асырады; мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары менен келисилген ҳалда юридикалық ҳәм физикалық шахсларға мәмлекетлик тоғай қоры участкаларын береди, буларға – тоғайлардың дәрьялар, көллер, суў сақлағышлары ҳәм басқа да суў объектлери жағалары бойлап өткен қадаған етилген аймақлары, жерлери, тоғайлардың аўланатуғын баҳалы балықлар уўылдырық шашатуғын орынларды қорғаўшы қадаған етилген аймақлары, суў тәмийнаты дереклерин санитариялық жақтан қорғаў зоналарындағы тоғайлар, мәмлекетлик қорықханалардың, комплекс (ландшафт) буйыртпа қорықханаларының, тәбият бағларының, улыўма мәмлекетлик әҳмийетке ийе буйыртпа қорықханалардың, улыўма мәмлекетлик әҳмийетке ийе курорт тәбийий аймақлардың, мәмлекетлик биосфера резерватларының, мәмлекетлераралық қорғалатуғын тәбийий аймақлардың тоғайлары буған кирмейди; пишен орыў ҳәм шарўа малларын отлатыў нормаларын мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымларының усынысына муўапық тастыйықлайды; тоғайлардың мәмлекетлик есабы ҳәм мәмлекетлик тоғай кадастры жүритилиўин тәмийинлейди; мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары нызамшылыққа муўапық басқа ўәкилликлерди де әмелге асырыўы мүмкин.  16-статья. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ҳәмде пуқаралардың тоғайларды қорыўды, қорғаўды, көбейтиўди, тәкирарый көбейтиўди, қайта тиклеўди, олардың өнимдарлығын арттырыўды ҳәм олардан пайдаланыўды тәмийинлеўде қатнасыўы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралар тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўында: мәмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳәм басқа да бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасады; жәмийетшилик қадағалаўды әмелге асырады; халық арасында пуқаралардың ҳуқықый саўатлылығын ҳәм экологиялық мәдениятын арттырыўға қаратылған түсиндириў жумысларын әмелге асырыўда қатнасады. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралар тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша басқа да илажларда қатнасыўы, мәмлекетлик уйымларға көмеклесиўи мүмкин.

 3-бап. Тоғайларды қорыўды ҳәм қорғаўды шөлкемлестириў

 17-статья. Тоғайларды қорыў илажлары Тоғайларды қорыў илажлары төмендегилер арқалы әмелге асырылады: тоғайларды қорыў, қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы қағыйдалар, нормалар ҳәмде нормативлерди белгилеў; тоғай дүзиў жойбарларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў; тоғайдан пайдаланыўда шеклеўлер ҳәм қадаған етиўди белгилеў; тоғайдан арнаўлы пайдаланыў ҳуқықын тоқтатып турыў, тоқтатыў ҳәм бийкарлаў; тоғайдан өзбасымшалық пенен пайдаланыўдың ҳәм оннан пайдаланыў ўақтында белгиленген тәртиптиң басқа да бузылыўларының алдын алыў; хожалық жумысын ҳәм басқа да жумысты әмелге асырыўда тоғайға зыянлы тәсир көрсетилиўиниң яки оның жоқ етип жиберилиўиниң алдын алыў; тоғайлардың мониторингин, мәмлекетлик есабын ҳәм мәмлекетлик тоғай кадастрын жүргизиў; тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўында мәлимлеме-коммуникация технологияларын қолланыў; тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўында илимий излениўлерди шөлкемлестириў ҳәмде әмелге асырыў; тоғай қоры жерлеринде биотехникалық илажларды өткериў; тоғайларды өртлерден қорыў, зыянкеслер ҳәм кеселликлерден қорғаў илажларын әмелге асырыў. Тоғайларды қорыў илажлары нызамшылыққа муўапық басқа да жоллар менен әмелге асырылыўы мүмкин.  18-статья. Тоғай дүзиў Тоғай дүзиў тоғайларды қорыўды, қорғаўды, көбейтиўди, тәкирарый көбейтиўди, қайта тиклеўди, олардың өнимдарлығын арттырыўды ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўды  тәмийинлеўге қаратылған илажлар системасынан ибарат болып, төмендегилерди өз ишине алады: мәмлекетлик тоғай қоры участкаларының шегараларын белгилеў ҳәм мәмлекетлик тоғай қорының тоғайдан улыўма пайдаланыўшылар пайдаланыўындағы аймағының ишки хожалығын шөлкемлестириў; топография-геодезия жумысларын орынлаў ҳәм тоғайларды арнаўлы картаға киргизиў ҳәмде олардың электрон мағлыўматлар базасын жаратыў; мәмлекетлик тоғай қорын инвентаризациядан өткериў; тоғайлардың жетилисиў жасын белгилеў, тоғай хожалығын жүргизиў менен байланыслы болған тоғай тереклериниң кесилиўи есап-китабын, кесиўлердиң муғдарларын ҳәмде тоғайдан пайдаланыўдың басқа түрлери муғдарларын анықлаў; мәмлекетлик тоғай қоры участкаларында пишен орыў ҳәм шарўа малларын отлатыў, жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң дәрилик ҳәмде техникалық шийки затын, азық-аўқат мақсетлери ушын жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди жыйнаў ҳәм таярлаў, тереклер ҳәмде путалықларды кеспеген ҳалда отын ҳәм шақаларды жыйнаў көлемлерин анықлаў; мәмлекетлик тоғай қоры участкаларында палҳәрре уялары ҳәм қутыларын жайластырыў, тоғайдан тоғай-аңшылық, аңшылық ҳәм (яки) балықшылық хожалықлары зәрүрлиги ушын, илим-изертлеў, мәдений-ағартыўшылық, тәрбиялық, саўаландырыў, рекреация ҳәмде эстетикалық мақсетлерде, сондай-ақ экологиялық туризмди раўажландырыў мақсетинде пайдаланыў имканиятларын белгилеў; тоғайларды қорыў, қорғаў, қайта тиклеў ҳәм көбейтиўде жумыслар көлемин, сондай-ақ басқа да тоғай хожалығы жумыслары көлемин анықлаў; тоғай дүзиў жойбарларын ислеп шығыў ҳәм олардың әмелге асырылыўы үстинен қадағалаў. Тоғай дүзиў жойбарлары мәмлекетлик экспертизадан өткериледи, мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен тастыйықланады. Тоғай дүзиў жойбарлары тоғай хожалығын, тоғай-аңшылық, аңшылық ҳәм (яки) балықшылық хожалықларын жүритиў, сондай-ақ қорғалатуғын тәбийий аймақларды раўажландырыўға қаратылған жумысларды шөлкемлестириў ҳәмде жүритиў, тоғайдан ақылға уғрас пайдаланыўды, ҳәзирги ўақытта ҳәм келешекке гөзленген режелестириўди әмелге асырыў ушын тийкарғы нормативлик-техникалық ҳүжжет болып есапланады.  19-статья. Тоғайлар мониторинги Тоғайлар мониторинги тоғайларға кери тәсирлердиң өз ўақтында алды алыныўы ушын мәмлекетлик тоғай қоры жағдайындағы өзгерислерди анықлаўға, оны баҳалаў ҳәм болжаўға байланыслы турақлы бақлаўлардан ибарат. Тоғайлар мониторинги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады.  20-статья. Тоғайлардың мәмлекетлик есабы Тоғайлардың мәмлекетлик есабы мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары тәрепинен тоғай дүзиў жойбарлары тийкарында, тоғай дүзиў әмелге асырылмаған орынларда болса мәмлекетлик тоғай қорын инвентаризациядан өткериў ҳәм тексериў материаллары тийкарында жүритиледи. Тоғайлардың мәмлекетлик есабы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан бирден-бир система бойынша жүритиледи.  21-статья. Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетиниң Тоғай бас кадастры Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетиниң Тоғай бас кадастры Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан барлық тоғайлар, олардың географиялық орны, ҳуқықый режими, муғдар ҳәм сапа тәрийиплемеси ҳәмде экономикалық баҳасы ҳаққындағы жаңаланып барылатуғын исенимли кадастр мәлимлеме системасынан ибарат болады. Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетиниң Тоғай бас кадастры тоғайға байланыслы мүнәсибетлерди тәртиплестириў, тоғайларды қорыў, қорғаў, олардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды тәкирарый көбейтиў мақсетинде мәпдар юридикалық ҳәм физикалық шахсларды тоғай ҳаққындағы мағлыўматлар менен тәмийинлеўши есапланады. Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетиниң Тоғай бас кадастры мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети белгилеген тәртипте мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан бирден-бир система бойынша жүритиледи.  22-статья. Тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы қадағалаў Тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик қадағалаў нызамшылықта белгиленген тәртипте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети ҳәмде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен әмелге асырылады. Тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы мәкемелик қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети тәрепинен әмелге асырылады. Тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы өндирислик қадағалаўды хожалық жүритиўши субъектлер өзлерине бириктирилген аймақларда әмелге асырады. Тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы жәмийетлик қадағалаўы Қарақалпақстан Республикасы  пуқаралары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәмде ғалаба хабар қураллары тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин.  23-статья. Тоғайларды қорыў Мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары ҳәмде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары өз ўәкилликлери шеңберинде тоғайды оннан пайдаланыў тәртиби бузылыўынан, соның ишинде тоғайды нызамсыз кесиўлерден ҳәмде тоғайға басқаша тәризде зыянлы тәсир көрсетилиўинен қорғалыўын тәмийинлейди. Мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары ҳәмде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тоғайда өрттиң алдын алыў, өртке қарсы гүресиўге қаратылған илажлардың әмелге асырылыўын тәмийинлейди, зәрүр жағдайларда өртти өшириў ушын халықты, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң өрт өшириў, жер қазыў техникасын ҳәм транспорт қуралларын жумсайды, өрт қәўпи күшли болған дәўирде халықтың тоғайда болыўын ҳәм тоғайларға транспорт қураллары ҳәм басқа да әсбап-үскенелер кириўин шеклейди яки қадаған етеди. Тоғайдан пайдаланыўшылар тоғайларда өрт қәўипсизлигине әмел етиўи, жумыс орынларында өртке қарсы илажлар өткериўи, тоғайларда өртлер келип шыққан ўақытта болса олардың өширилиўин тәмийинлеўи шәрт.  24-статья. Тоғайларды өртлерден, зыянкеслер, кеселликлер ҳәм басқа да кери тәсирлерден қорғаў Тоғайларды өртлер, зыянкеслер, кеселликлерден ҳәм басқа да кери тәсирлерден қорғаў тоғайдан пайдаланыўшылар тәрепинен төмендегилер арқалы әмелге асырылады: өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў ҳәм өртке қарсы илажларды әмелге асырыў, өрт шыққанда оны өшириў илажларын көриў; тоғай зыянкеслери, кеселликлери ошақларын, санаат ҳәм турмыслық шығындылардың ҳәмде басқа да кери факторлардың тәсир шеңберлери раўажланыўын есапқа алыў ҳәм прогнозлаў; тоғай зыянкеслериниң ҳәдден тыс көбейиў ҳәм тоғай кеселликлериниң тарқалыў ошақлары жүзеге келиўи ҳәмде кеңейиўиниң алдын алыў, тоғайлардың биологиялық жақтан шыдамлылығын күшейтиў илажларын өткериў. Тоғайларды өртлер, зыянкеслер, кеселликлерден ҳәм басқа да кери тәсирлерден қорғаў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети тәрепинен белгиленеди.  25-статья. Тоғай қорықшылығы Тоғай қорықшылығы тоғайларды қорыў ҳәм қорғаўды тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары тәрепинен шөлкемлестириледи. Тоғай қорықшылығының лаўазымлы шахслары бир ўақыттың өзинде мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымларының инспекторлары есапланады. Тоғай қорықшылығының лаўазымлы шахслары өз ўәкилликлери шеңберинде: юридикалық ҳәм физикалық шахслардың тоғайдан пайдаланыўға болған ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин тексереди; тоғайларды қорыў, қорғаў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды тәкирарый көбейтиў тараўындағы ҳәкимшилик нызам бузыўшылықлар ҳаққында баянламалар дүзеди; ҳәкимшилик нызам бузыўшылықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығады; нызам бузыўшылыққа жол қойған шахсларды тийисли уйымларға алып барады; нызамсыз рәўиште қолға киритилген тоғай өнимин ҳәм оны қолға киритиў қуралларын алып қояды; нызам бузыўшылыққа жол қойған шахсларды интизамый, ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы материалларды тийисли уйымларға жибереди; тоғай ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы себепли келтирилген зыянның орнын қаплаў ҳаққында судқа даўа арзалар усынады; юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тоғай ҳаққындағы нызамшылық бузылыўларын сапластырыў ҳаққында көрсетпелер береди. Тоғай қорықшылығының хызмет көрсетиў тәртиби ҳәм мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымларының тоғай қорықшылығын әмелге асырыўшы инспекторлары қурамы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тийисли тәртипте усыныс киритиў арқалы белгиленеди.  26-статья. Тоғай хожалығын шөлкемлестириўдиң тийкарғы қағыйдалары Тоғай хожалығын шөлкемлестириў: тоғайлардың қорғаў, саўаландырыў, рекреация ҳәм басқа да пайдалы тәбийий қәсийетлерин сақлаў ҳәмде күшейтиўди; тоғайлардан ақылға уғрас пайдаланыўды; тоғайларды көбейтиўди, тәкирарый көбейтиўди, қайта тиклеўди, олардың өнимдарлығын арттырыўды, түр қурамы ҳәм сапасын жақсылаўды; тоғайларды өртлерден қорғаўды, зыянкеслер ҳәм кеселликлерден қорғаўды; тоғайлардың қорғалыў категорияларын анықлаўды; тоғайлардың жетилисиў жасын, кесиў усылларын ҳәм тоғайдан пайдаланыў нормаларын белгилеўди; тоғай қоры жерлеринен ақылға уғрас пайдаланыўды  тәмийинлеўи керек. Тоғай хожалығын шөлкемлестириў нызамшылыққа муўапық басқа да шөлкемлестириўшилик-техникалық илажлар менен де тәмийинленеди.  27-статья. Тоғайлардың қорғалыў категориялары Тоғайлар белгиленген мақсети ҳәм атқаратуғын ўазыйпаларына муўапық төмендеги қорғалыў категорияларына киргизиледи: тоғайлардың дәрьялар, көллер, суў сақлағышлары ҳәм басқа да суў объектлери жағалары бойынан өткен қадаған етилген аймақлары; тоғайлардың аўланатуғын баҳалы балықлар уўылдырық шашатуғын орынларды қорғаўшы қадаған етилген аймақлары; эрозиядан сақлайтуғын тоғайлар; тоғайлардың темир жоллар ҳәм автомобиль жолларын жағалап өткен қорғаўшы аймақлары; шөл ҳәм ярым шөл зоналарының тоғайлары; қала тоғайлары ҳәм тоғай-бағлары; қалалар, басқа да елатлы пунктлер ҳәм санаат орайларының көклемзарластырылған зоналары әтирапындағы тоғайлар; суў тәмийнаты дереклерин санитариялық жақтан қорғаў зоналарындағы тоғайлар; айрықша қунлылыққа ийе болған тоғайлар; тоғайлардың мийўели тереклери; мәмлекетлик қорықханалардың тоғайлары; комплекс (ландшафт) буйыртпа қорықханалардың тоғайлары; тәбият бағларының тоғайлары; буйыртпа қорықханалардың тоғайлары; курорт тәбийий аймақлардың тоғайлары; мәмлекетлик биосфера резерватларының тоғайлары; мәмлекетлераралық қорғалатуғын тәбийий аймақлардың тоғайлары; илимий яки тарийхый әҳмийетке ийе болған тоғайлар. Тоғайларды қорғалыў категорияларына киргизиў Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетиниң усынысына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен әмелге асырылады.

 4-бап. Тоғайларды көбейтиў, қайта тиклеў ҳәм олардың өнимдарлығын арттырыў

 28-статья. Тоғайларды көбейтиў Тоғайларды көбейтиў тоғайдан пайдаланыўшылар тәрепинен аймақлардың тереклер қалыңлығын арттырыў, тоғайлардың түр қурамын жақсылаў, баҳалы терек сортларын көбейтиў ҳәм эрозия қубылысларының алдын алыў мақсетинде төмендегилер арқалы арнаўлы бағдарламалар бойынша әмелге асырылады: тереклер ҳәм путалардың нәллерин, туқымларын егиў; таў алды жағалары, жарлықлар ҳәм тасланды жерлерде эрозияға қарсы терекзарлар пайда етиў жумысларын орынлаў; баҳалы терек сортларын көбейтиў мақсетинде илим-изертлеў өткериў, декоратив, мийўели тереклер ҳәм путалар жетистириўдиң нәтийжели усылларын ислеп шығыў ҳәмде әмелиятқа енгизиў. Тоғайларды көбейтиў нызамшылыққа муўапық басқа да жоллар менен әмелге асырылады. Тоғайларды көбейтиў ушын берилетуғын, аўыл хожалығына ҳәм басқа да мақсетлерге мөлшерленген жерлер нызамшылыққа муўапық тоғай қоры жерлери категориясына өткизиледи.  29-статья. Тоғайларды қайта тиклеў Тоғайларды қайта тиклеў төмендеги талапларға әмел етилген жағдайда иске асырылады: тереклер кесилген, өртлер, тоғай зыянкеслери, кеселликлери ҳәм басқа да кери тәсирлер ақыбетинде зыянланған орынларда хожалық жағынан баҳалы тереклер түрлерин мәжбүрий рәўиште егиўди тәмийинлеў; аймақлардың топырақ-ықлым шараятларын есапқа алған ҳалда, қурғақшылыққа, зыянкеслер ҳәм кеселликлерге шыдамлы өсимликлер түрлерин таңлаўға байланыслы усынысларға әмел етиў; тоғайлардың түр қурамын жақсылаў, олардың өнимдарлығын ҳәм қорғалыў қәсийетлерин арттырыў; тоғайдың тәбийий рәўиште тиклениўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў; тоғайлардың генетикалық қоры ҳәм биологиялық көп түрлилигин сақлап қалыў. Тоғайларды қайта тиклеў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети тәрепинен Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетине тийисли тәртипте усыныс киритиў арқалы белгиленеди.  30-статья. Тоғайлардың өнимдарлығын арттырыў Тоғайлардың өнимдарлығын арттырыў тоғайларды тәкирарый көбейтиў, олардың түр қурамын жақсылаў, тоғай мелиорациясы ҳәм тоғайларды плантация усылында жетистириў нәтийжесинде әмелге асырылады.

5-бап. Тоғайдан пайдаланыўдың тийкарғы қағыйдалары

 31-статья. Тоғайдан пайдаланыў Мәмлекетлик тоғай қоры участкалары юридикалық ҳәм физикалық шахсларға пайдаланыўға берилиўи мүмкин. Тоғайдан пайдаланыў улыўма яки арнаўлы болыўы мүмкин. Тоғайдан улыўма пайдаланыў физикалық шахслар тәрепинен бийпул ҳәм өз мүтәжликлери ушын белгиленген көлемлерде, усы Нызамның 36-статьясы биринши бөлиминиң алтыншы ҳәм жетинши  абзацларында нәзерде тутылған пайдаланыў түрлери бойынша әмелге асырылады. Тоғайдан арнаўлы пайдаланыў ушын ҳақы төленеди. Төлемлер муғдары ҳәм оларды өндириў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тийисли тәртипте усыныс киритиў арқалы белгиленеди. Тоғайдан пайдаланыў турақлы ҳәм ўақытша болыўы мүмкин. Тоғай қоры жерлери өзлерине турақлы ийелик етиўге берип қойылған тоғай хожалығы шөлкемлери тоғайдан турақлы пайдаланыўшылар есапланады. Тоғайдан қысқа мүддетли яки узақ мүддетли пайдаланыў ҳуқықын бериўши тийисли ҳүжжетлер тийкарында мәмлекетлик тоғай қоры участкаларынан пайдаланыўды әмелге асырыўшы юридикалық ҳәм физикалық шахслар тоғайдан ўақытша пайдаланыўшылар есапланады. Тоғайдан ўақытша пайдаланыў қысқа мүддетли – үш жылға шекем ҳәм узақ мүддетли – он жылға шекем болыўы мүмкин. Тоғай қорының пайдаланылмай турған жерлери физикалық ҳәм юридикалық шахсларға инвестиция шәртнамасы яки мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында үш жылдан кем болмаған ҳәм қырық тоғыз жылдан аспаған мүддетке ижараға берилиўи мүмкин.  32-статья. Тоғайдан арнаўлы пайдаланыў ҳуқықын бериў Тоғайдан арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы юридикалық ҳәм физикалық шахсларға мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары тәрепинен бериледи. Тоғайдан арнаўлы пайдаланыўды әмелге асырыўға рухсатнама, тоғай кесиў билети бойынша жол қойылады, бунда усы Нызамның 47-статьясында нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди.  33-статья. Тоғайдан турақлы пайдаланыўшылардың ҳуқық ҳәм миннетлери Тоғайдан турақлы пайдаланыўшылар төмендеги ҳуқықларға ийе: мәмлекетлик тоғай қорының өзлерине берилген участкаларында тоғай хожалығын еркин жүргизиў, тоғайдан пайдаланыў; тоғай қоры жерлеринен, суў ресурсларынан, кең тарқалған пайдалы қазылма байлықлардан белгиленген тәртипте тоғай хожалығы мүтәжликлери ушын пайдаланыў; белгиленген тәртипте жол ашыў, тоғай өнимин жайластырыў ушын майданшаларды үскенелеў, өндирислик ҳәм турақ жай имаратларын ҳәмде қурылысларды қурыў; таярланған өнимге ҳәм оны сатыўдан алынған дәраматқа мүлик ийеси болыў. Тоғайдан турақлы пайдаланыўшылар: тоғайлардың қорықланыўын, қорғалыўын, көбейтилиўин, тәкирарый көбейтилиўин, қайта тиклениўин, өнимдарлығы асырылыўын ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланылыўын тәмийинлеўи; тоғайлардың мониторингин, мәмлекетлик есабын ҳәм мәмлекетлик тоғай кадастрын жүритиўи; жумысларды тоғайлардың жағдайына ҳәмде оларды тәкирарый көбейтиўге, сондай-ақ топырақтың, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясының, суў объектлериниң ҳәм басқа да тәбийий объектлердиң жағдайына кери тәсир көрсетиўге жол қойылмайтуғын усыллар менен жүритиўи; тоғайдан ўақытша пайдаланыўшылардың жумысы үстинен қадағалаўды әмелге асырыўы; тоғайларда өртке қарсы илажлар өткериўи ҳәм өртлерди сапластырыў илажларын көриўи, сондай-ақ тоғайларды зыянкеслер ҳәмде кеселликлерден қорғаў бойынша илажлар өткериўи; тоғай қоры жерлеринде биотехникалық илажларды әмелге асырыўы; қорғалатуғын тәбийий аймақлар режимин тәмийинлеўи; тоғайдан пайдаланыўшы басқа да шахслардың ҳуқықларын бузбаўы шәрт. Тоғайдан турақлы пайдаланыўшылар нызамшылыққа муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы ҳәм олардың жуўапкершилигинде басқа миннетлер болыўы мүмкин.  34-статья. Тоғайдан ўақытша пайдаланыўшылардың ҳуқық ҳәм миннетлери Тоғайдан ўақытша пайдаланыўшылар төмендеги ҳуқықларға ийе: тоғайдан пайдаланыўды тоғайдан пайдаланыў ҳуқықын бериўши ҳүжжетлерде көрсетилген мәмлекетлик тоғай қоры участкалары шеңберинде, белгиленген мүддетлерде ҳәм тоғайдан пайдаланыў түрлери бойынша әмелге асырыў; белгиленген тәртипте жол ашыў, тоғай өнимин жайластырыў ушын майданшалар үскенелеў, өндирислик имаратлары ҳәм қурылысларды қурыў. Тоғайдан ўақытша пайдаланыўшылар: өзлерине берип қойылған жайлаўлар, пишензарлар ҳәм басқа да тоғайлардан ақылға уғрас пайдаланыўы; жумысларды тоғайлардың жағдайына ҳәмде оларды тәкирарый көбейтиўге, сондай-ақ топырақтың, өсимликлер ҳәм ҳайўанат дүньясының, суў объектлериниң ҳәм басқа да тәбийий объектлердиң жағдайына унамсыз тәсир көрсетиўге жол қойылмайтуғын усыллар менен жүритиўи; тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўында белгиленген қағыйдалар, нормалар ҳәм нормативлерге әмел етиў; тоғайларда өртке қарсы илажларды өткериўи ҳәм өртлерди сапластырыў илажларын көриўи, сондай-ақ тоғайларды зыянкеслер ҳәмде кеселликлерден қорғаў бойынша илажлар өткериўи; тоғайдан турақлы пайдаланыўшылар менен келисилген жағдайда мәмлекетлик тоғай қоры участкаларында биотехникалық илажларды әмелге асырыўы; тоғайдан пайдаланғанлығы ушын өз ўақтында ҳәм белгиленген тәртипте ҳақы төлеўи; тоғайдан пайдаланыўшы басқа да шахслардың ҳуқықларын бузбаўы шәрт. Тоғайдан ўақытша пайдаланыўшылар нызамшылыққа муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы ҳәм олардың жуўапкершилигинде басқа миннетлер болыўы мүмкин.  35-статья. Тоғайдан пайдаланыўшылар ҳуқықларының кепилликлери Тоғайдан пайдаланыўшылардың жумысына мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары ҳәмде басқа да уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен араласыўға жол қойылмайды. Тоғайдан пайдаланыўшылардың бузылған ҳуқықлары нызамшылықта белгиленген тәртипте тиклениўи тийис. Тоғайдан пайдаланыўшылардың ҳуқықларын бузыў ақыбетинде келтирилген зыянлардың (соның ишинде қолдан шығарылған пайданың) орны толық көлемде қапланыўы тийис.  36-статья. Тоғайдан пайдаланыў түрлери Тоғайдан пайдаланыў түрлери төмендегилерден ибарат: тереклер ҳәм путаларды кесиў; пишен орыў; шарўа малларын отлатыў; палҳәрре уялары ҳәм қутыларын жайластырыў; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң дәрилик ҳәм техникалық шийки затын жыйнаў ҳәмде таярлаў; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди азық-аўқат мақсетлери ушын жыйнаў ҳәм таярлаў; терек ҳәм путаларды кеспеген ҳалда отын ҳәм шақаларды жыйнаў; тоғай-аңшылық, аңшылық ҳәм (яки) балықшылық хожалықлары мүтәжликлери ушын пайдаланыў; илим-изертлеў, мәдений-ағартыўшылық, тәрбиялық, саўаландырыў, рекреация ҳәм эстетикалық мақсетлер ушын  пайдаланыў; экологиялық туризмди раўажландырыў мақсетинде пайдаланыў. Нызамшылықта тоғайдан пайдаланыўдың басқа түрлери де нәзерде тутылыўы мүмкин  37-статья. Терекзарлар ҳәм путалықларды кесиў Имаратларды, қурылысларды ҳәм коммуникацияларды қурыў ўақтында мәмлекетлик тоғай қоры участкаларындағы терекзарлар ҳәм путалықларды өндирислик-техникалық зәрүрликтен келип шықпаған жағдайда кесиў қадаған етиледи. Терекзарлар ҳәм путалықларды кесиўге нызамшылықта белгиленген тәртипте, тоғай кесиў (тоғай) билетлери тийкарында ҳәм тек ғана тоғайларды әлбетте қайта тиклеў шәрти менен жол қойылады. Терекзарлар ҳәм путалықларды кесиў тоғайлардың қорғалыў категорияларына қарап, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған Тоғайды тәрбиялаў ушын кесиў қағыйдаларына муўапық әмелге асырылады. Тоғайлардың темир жоллар ҳәм автомобиль жоллары жағалап өткен қорғаўшы аймақларында, шөл ҳәм ярым шөл зоналарының тоғайларында тоғайдың жағдайын жақсылаў мақсетинде тәрбиялаў ушын кесиўге жол қойылады. Тоғайлардың дәрьялар, көллер, суў сақлағышлар ҳәм басқа да суў объектлери жағалары бойынан өткен қадаған етилген аймақларында, тоғайлардың аўланатуғын баҳалы балықлар уўылдырық шашатуғын орынларды қорғаўшы қадаған етилген аймақларында, эрозиядан сақлайтуғын тоғайларда, қала тоғайлары ҳәм тоғай-бағларында, қалалар, басқа да елатлы пунктлер ҳәм санаат орайларының көклемзарластырылған зоналары әтирапындағы тоғайларда, суў тәмийнаты дереклерин санитариялық жақтан қорғаў зоналарындағы  тоғайларда, айрықша қунлылыққа ийе болған тоғайларда, тоғайлардың мийўели терекзарларында, тәбият бағларының тоғайларында (олардың қорықханаға айландырылған зоналары буған кирмейди), курорт тәбийий аймақлардың тоғайларында, мәмлекетлик биосфера резерватларының тоғайларында (олардың қорықханаға айландырылған зоналары буған кирмейди), илимий яки тарийхый әҳмийетке ийе болған тоғайларда тоғай кесиў (тоғай) билети бойынша тек ғана аралық пайдаланыўдағы кесиўге (тоғай тәрбиясы ҳәм санитария мақсетинде кесиўге) жол қойылады. Барлық қорғалыў категорияларындағы тоғайларда өртке қарсы аралық орын пайда етиў менен байланыслы кесиўлерге жол қойылыўы мүмкин, мәмлекетлик қорықханалардың, комплекс (ландшафт) буйыртпа қорықханаларының тоғайлары, тәбият бағларының, мәмлекетлик биосфера резерватларының қорықханаға айландырылған зоналарындағы тоғайлары буған кирмейди. Тоғайды тәрбиялаў ушын кесиў, плантацияларда ҳәмде мәмлекетлик тоғай қоры участкаларында мақсетли пайдаланыў, санаат ҳәм халықтың ағашқа болған талабын тәмийинлеў ушын жетистирип атырған тез өсиўши терек ҳәм путаларды кесиў Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети белгилеген тәртиби бойынша тоғай хожалығы шөлкемлери тәрепинен әмелге асырылады. Өртлер, тоғай зыянкеслери, кеселликлери ҳәм басқа да унамсыз тәсирлер нәтийжесинде зыянланған тоғайларды кесиўге оларды таңлап ҳәм санитария мақсетинде кесиў тәртибинде жол қойылады.  38-статья. Пишен орыў Юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен мәмлекетлик тоғай қоры участкаларында пишен орыўға усы мақсетлер ушын арнаўлы мөлшерленген майданларда мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары тәрепинен берилетуғын рухсатнама тийкарында жол қойылады. Мәмлекетлик тоғай қоры участкаларында пишен орыў ушын майданлар тоғай дүзиў жойбарлары, жайлаўлардан алмаслап пайдаланыў схемалары ҳәм пишен орыўшының календарь кестеси есапқа алынған ҳалда пайдаланыўға бериледи. Мәмлекетлик тоғай қоры участкаларында пишен орыў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған Пишен орыў қағыйдаларына муўапық әмелге асырылады.  39-статья. Шарўа малларын отлатыў Юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен мәмлекетлик тоғай қоры участкаларында шарўа малларын отлатыў усы мақсетлер ушын арнаўлы мөлшерленген майданларда мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары беретуғын рухсатнама тийкарында әмелге асырылады. Тоғайлардың дәрьялар, көллер, суў сақлағышлар ҳәм басқа да суў объектлери жағалары бойлап өткен қадаған етилген аймақларында, эрозиядан (жемирилиўден) сақлайтуғын тоғайларда, суў тәмийнаты дереклерин санитариялық жақтан қорғаў зоналарындағы тоғайларда, айрықша баҳалы болған тоғайларда, мәмлекетлик қорықханалардың тоғайларында, сондай-ақ белгиленген режимге муўапық тәбият бағларының, буйыртпа қорықханалардың, курорт тәбийий аймақлардың, мәмлекетлик биосфера резерватларының, мәмлекетлераралық қорғалатуғын тәбийий аймақлардың тоғайларында шарўа малларын отлатыўға жол қойылмайды. Мәмлекетлик тоғай қоры участкаларында шарўа малларын отлатыўға жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң сийрек ҳәм баҳалы түрлери тәбийий рәўиште тәкирарый көбейиўин, жабайы ҳайўанларды сақлап қалыўды, сондай-ақ эрозия процесслериниң  жүзеге келиў мүмкиншилигиниң алдын алыўды тәмийинлеў шәрти менен жол қойылады. Ҳайўанат дүньясын ҳайўанлардың жуқпалы ҳәм басқа да кеселликлеринен қорғаў ҳәмде олардың тарқалыўының алдын алыў мақсетинде мәмлекетлик тоғай қоры участкаларында шарўа малларын отлатыўға шарўа малларын, жүк тасыйтуғын көликлерди (атлар, ешеклер, түйелер) ҳәм оларды қорықлаўшы ийтлерди ветеринария-лаборатория көригинен өткериў шәрти менен жол қойылады. Мәмлекетлик тоғай қоры участкаларында шарўа малларын отлатыў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған Шарўа малларын отлатыў қағыйдаларына муўапық әмелге асырылады.  40-статья. Палҳәрре уялары ҳәм қутыларын жайластырыў Мәмлекетлик тоғай қоры участкалары юридикалық ҳәм физикалық шахсларға палҳәррелери уялары ҳәм қутыларын жайластырыў ушын мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары тәрепинен шәртнама тийкарында бериледи.  41-статья. Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң дәрилик ҳәм техникалық шийки затын, азық-аўқат мақсетлери ушын жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди жыйнаў ҳәм таярлаў Юридикалық ҳәм физикалық шахсларға жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң дәрилик ҳәм техникалық шийки затын, азық-аўқат мақсетлери ушын жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди жыйнаў ҳәм таярлаў ушын рухсатнама нызамшылықта белгиленген тәртипте мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары тәрепинен бериледи. Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң дәрилик ҳәм техникалық шийки затын, азық-аўқат мақсетлери ушын жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди жыйнаў ҳәм таярлаў, бар болған өсимликлер ресурсларының таўсылып қалыўына ҳәмде тоғай хожалығына зыян жеткизилиўине жол қойылмайтуғын қураллар ҳәм усыллар менен әмелге асырылады.  42-статья. Терек ҳәм путаларды кеспеген ҳалда отын ҳәм шақаларды жыйнаў Тоғайдан турақлы пайдаланыўшылар тәрепинен мәмлекетлик тоғай қоры участкалары терек ҳәм путаларды кеспеген ҳалда отын ҳәм шақалар жыйнаў ушын юридикалық ҳәмде физикалық шахсларға нызамшылықта белгиленген тәртипте берилиўи мүмкин.  43-статья. Тоғай қоры жерлеринен аўыл хожалығы өнимлерин  жетистириў ушын пайдаланыў Тоғай қоры жерлеринде аўыл хожалығы өнимин жетистириў мәмлекетлик тоғай қорына зыян келтирмеген ҳалда Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады.  44-статья. Тоғай-аңшылық, аңшылық ҳәм (яки) балықшылық хожалығы зәрүрликлери ушын пайдаланыў Мәмлекетлик тоғай қоры участкаларынан тоғай-аңшылық, аңшылық ҳәм (яки) балықшылық хожалығы зәрүрликлери ушын пайдаланыў ҳуқықы юридикалық ҳәм физикалық шахсларға бериледи. Мәмлекетлик тоғай қоры участкаларынан тоғай-аңшылық, аңшылық ҳәм (яки) балықшылық хожалығы зәрүрликлери ушын пайдаланыў тәртиби нызамшылық пенен белгиленеди.  45-статья. Илим-изертлеў, руўхый-ағартыўшылық, тәрбиялық, саўаландырыў, рекреация ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыў Мәмлекетлик тоғай қоры участкаларынан илим-изертлеў мақсетлеринде пайдаланыў нызамшылық пенен белгиленеди. Юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен мәмлекетлик тоғай қоры участкаларынан мәдений-ағартыўшылық, тәрбиялық, саўаландырыў, рекреация ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыўға жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен тоғайдан турақлы пайдаланыўшылар менен келисилген ҳалда жол қойылады. Мәмлекетлик тоғай қорының мәдений-ағартыўшылық, тәрбиялық, саўаландырыў, рекреация ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыў ушын берилген участкаларында тоғайдан пайдаланыўшылар бул участкаларды абаданластырыўға байланыслы илажларды тоғайларды ҳәмде тәбийий ландшафтларды, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын сақлаў, тоғайларда өрт қәўипсизлиги ҳәм санитария қағыйдаларына әмел етиў шәрти менен өткизеди. Мәмлекетлик тоғай қоры участкаларынан мәдений-ағартыўшылық, тәрбиялық, саўаландырыў, рекреация ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети тәрепинен белгиленеди.  46-статья. Экологиялық туризмди раўажландырыў мақсетинде пайдаланыў Мәмлекетлик тоғай қоры участкаларынан экологиялық туризмди раўажландырыў мақсетинде юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен пайдаланыўға нызамшылықта белгиленген тәртипте жол қойылады.  47-статья. Пуқаралардың тоғайларда болыўы Пуқаралар өсимлик дүньясы объектлеринде улыўма пайдаланыў тәртибинде тоғайларда болыў, жабайы ҳалда өсиўши дәрилик ҳәм азық-аўқатлық өсимликлер, мийўелер ҳәм замаррықларды нызамшылықта белгиленген шәртлер тийкарында өзиниң зәрүрликлери ушын жыйнаў ҳуқықына ийе. Тоғайларда Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киритилген, жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди, сондай-ақ зәҳәрли, қурамында нәшебентлик затлары бар болған өсимликлерди пуқаралар тәрепинен жыйнаў қадаған етиледи. Пуқаралар тоғайларда өрт қәўипсизлигине әмел етиўи, тереклер ҳәм путаларды сындырыўға, кесиўге, тоғай егинлерине зыян келтирилиўине, тоғайлардың турмыслық ҳәмде басқа да шығындылар менен патасланыўына, жабайы ҳайўанлардың жасаў орталығы жоқ болыўына ҳәм көбейиў орынлары бузылыўына жол қойылмаўы, сондай-ақ тоғай ҳаққындағы нызамшылық пенен белгиленген басқа да талапларды орынлаўы шәрт.  48-статья. Шегара зонасында тоғайдан пайдаланыў өзгешеликлери Шегара зонасында тоғайдан пайдаланыў тәртиби Өзбекстан Республикасының нызамшылық ҳәм халықаралық шәртнамалары менен белгиленеди.  49-статья. Нызамға қайшы рәўиште қолға киритилген тоғай өнимин алып қойыў Нызамға қайшы рәўиште қолға киритилген тоғай өними алып қойылыўы тийис. Нызамға қайшы рәўиште қолға киритилген тоғай өнимин алып қойыўдың имканияты болмаған жағдайда, оның баҳасы нызамшылықта белгиленген тәртипте ҳәм муғдарларда өндирип алынады.  50-статья. Тоғайлардың жағдайына ҳәм оларды тәкирарый көбейтиўге тәсир көрсететуғын кәрханаларды, имаратларды ҳәм басқа да объектлерди жайластырыў, жойбарлаў, қурыў ҳәмде иске түсириў Тоғайлардың жағдайына ҳәм оларды тәкирарый көбейтиўге тәсир ететуғын жаңа ҳәмде реконструкция болған кәрханаларды, имаратларды ҳәм басқа да объектлерди жайластырыў, жойбарлаў, қурыў ҳәмде иске түсириў, сондай-ақ жаңа технологияларды енгизиў тоғайларды қорғаўға ҳәм тәкирарый көбейтиўге байланыслы илажлар тәмийинленген ҳалда әмелге асырылады. Тоғайлардың жағдайына ҳәм оларды тәкирарый көбейтиўге тәсир ететуғын кәрханаларды, имаратларды ҳәмде басқа да объектлерди жайластырыў, жойбарлаў, қурыў, жаңа технологияларды енгизиў, сондай-ақ терек түрлерин кесиў зәрүрлиги нызамшылықта белгиленген жағдайларда ҳәм тәртипте мәжбүрий рәўиште мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткерилип, мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен келисиледи.  51-статья. Тоғай хожалығын жүргизиў менен байланыслы болмаған жумысларды әмелге асырыў тәртиби Тоғай қоры жерлеринде тоғай хожалығын жүргизиў ҳәм тоғайдан пайдаланыў менен байланыслы болмаған қурылыс ҳәмде жарыў жумыслары, пайдалы қазылмаларды қазып алыў, кабеллер, трубалар ҳәм басқа да коммуникацияларды өткериў, бураўлаў жумыслары ҳәм басқа да жумыслар мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары менен келисилген рәўиште, нызамшылықта белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Тоғай қоры жерлеринде тоғай хожалығын жүритиў менен байланыслы болмаған жумысларды әмелге асырыўшы юридикалық ҳәм физикалық шахслар тоғайларды қайта тиклеў, тоғай қорының ҳалаты бузылған жерлерин рекультивациялаў бойынша илажлар көриўи шәрт.  52-статья. Тоғайлардан пайдаланыўды шеклеў ҳәм қадаған етиў Тоғайларды қорғаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети тоғайлардан пайдаланыўға яки пайдаланыўдың айырым түрлерине шеклеўлер яки қадаған белгилеўи мүмкин. Тоғайдан пайдаланыўшылардың, жер ийелериниң, жерден пайдаланыўшылардың, соннан мәмлекетлик тоғай қоры участкалары ижарашыларының, сондай-ақ өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясынан пайдаланыўшылардың, суўдан пайдаланыўшылардың, суў тутыныўшыларының ҳәмде жер асты қатламынан пайдаланыўшылардың ҳуқықлары тоғайларды қорғаў мәплерин гөзлеп, нызамшылықта белгиленген тәртипте шеклениўи ҳәм олардың жуўапкершилигине тийисли миннетлер жүклениўи мүмкин.  53-статья. Тоғайдан арнаўлы пайдаланыў ҳуқықын тоқтатып турыў, тоқтатыў ҳәм бийкар етиў Тоғайдан арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы тоғайларды қорғаўды тәмийинлеў ушын тоқтатып турылыўы, тоқтатылыўы яки бийкар етилиўи мүмкин. Тоғайдан арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы төмендеги жағдайларда тоқтатып турылыўы мүмкин: тоғайдан арнаўлы пайдаланыўдың рухсат бериўге байланыслы талаплары ҳәм шәртлери бузылғанлығы анықланғанда; мәмлекетлик тоғай хожалығы ўәкилликли уйымының тоғайдан пайдаланыўдың рухсат бериўге байланыслы талаплары ҳәм шәртлерине тийисли анықланған қағыйдабузыўшылықларды сапластырыў ҳаққындағы қарары орынланбағанда. Тоғайдан арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы төмендеги жағдайларда тоқтатылады: пайдаланыў зәрүрлиги қалмағанда яки оннан ўаз кешилгенде; пайдаланыўдың белгиленген мүддети өткенде; тоғай ҳаққындағы нызамшылық бузылғанда; тоғайдан арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы берилген физикалық шахс қайтыс болғанда яки оның ҳәрекети тоқтатылғанда ямаса юридикалық  шахс сапластырылғанда. Нызамшылықта тоғайдан арнаўлы пайдаланыў ҳуқықын тоқтатып турыў яки тоқтатыў ушын басқа да жағдайлар нәзерде тутылыўы мүмкин. Тоғайдан арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы төмендегилер тийкарында бийкар етилиўи мүмкин: тоғайдан пайдаланыўшының рухсат етиўши түске ийе ҳүжжетти бийкар етиў ҳаққындағы арзасына муўапық; рухсат етиўши түске ийе ҳүжжет қәлбеки ҳүжжетлерден пайдаланып алынғанлығы факти анықланғанда. Тоғайдан арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы нызамшылықта белгиленген тәртипте тоқтатып турылады, тоқтатылады яки бийкар етиледи.

 6-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар

 54-статья. Тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў тараўындағы жумысты қаржыландырыў ҳәмде экономикалық хошаметлеў Тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў тараўындағы жумысты қаржыландырыў ҳәмде экономикалық хошаметлеў мәмлекетлик бюджет, Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң Тоғай хожалығын раўажландырыў қоры қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан әмелге асырылады. Тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў тараўындағы жумысты қаржыландырыў ҳәм экономикалық хошаметлеўди әмелге асырыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.  55-статья. Зыянның орнын қаплаў Юридикалық ҳәм физикалық шахслар тоғай ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы себепли келтирилген зыянның орнын нызамшылықта белгиленген тәртипте қаплаўы шәрт. Зыянның орнын қаплаў айыпкер шахсларды нызамға муўапық жуўапкершиликтен азат етпейди. 56-статья. Тартысларды шешиў Тоғайларды қорыў, қорғаў, көбейтиў, тәкирарый көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы тартыслар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи.  57-статья. Тоғай ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық  ушын жуўапкершилик Тоғай ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады. 58-статья. Қарақалпақстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерин өз күшин жойытқан деп табыў Төмендегилер өз күшин жойтқан деп табылсын: Қарақалпақстан Республикасының 1999-жыл 28-августта қабыл етилген «Тоғай ҳаққында»ғы 465/I-санлы Нызамы; Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2007-жыл 26-декабрьде қабыл етилген «Тоғай ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы  180/III-санлы Қарары; Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2010-жыл 28-декабрьде қабыл етилген «Тоғай ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы  64/8V-санлы Қарары; Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2011-жыл 21-октябрьде қабыл етилген «Тоғай ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы  99/VII-санлы Қарары; Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2014-жыл 27-июньде қабыл етилген «Тоғай ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 209/XV-санлы Қарары; Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2019-жыл 16-декабрьде қабыл етилген «Тоғай ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 282/XXIX-санлы Қарары. 59-статья. Усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин, мазмун ҳәм әҳмийетин түсиндириўин тәмийинлеў Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети ҳәм басқа мәпдар шөлкемлер усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин ҳәм халық арасында мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндириўин тәмийинлесин. 60-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: ҳүкимет қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын; мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин қайта көрип шығылыўын ҳәм бийкар етилиўин тәмийинлесин.  61-статья. Усы Нызам  рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов

Нөкис қаласы, 19-март 2022-жыл № 198/ХХVI