ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫӉ АЙЫРЫМ НЫЗАМЛАРЫНА ӨЗГЕРИСЛЕР ҲӘМ ҚОСЫМШАЛАР КИРГИЗИЎ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫӉ АЙЫРЫМ НЫЗАМЛАРЫНА ӨЗГЕРИСЛЕР ҲӘМ ҚОСЫМШАЛАР КИРГИЗИЎ ҲАҚҚЫНДА
Қарақалпақстан Республикасының Нызамы
1-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2005-жыл 14-май күнги «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы 33/III-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин: 1) 2-статьяныӊ текстиндеги «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламентине» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамлары, усы Нызам» деген сөзлер менен алмастырылсын. 2) 8-статьяныӊ атамасы төмендеги мазмунда баян етилсин: 8-статья. Депутатлық сораўнама 3) 16-статьяныӊ үшинши бөлиминдеги «ең кем ис ҳақының үш есеси муғдарында» деген сөзлер «базалық есаплаў муғдарыныӊ үш есесинде» деген сөзлер менен алмастырылсын. 2-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2005-жыл 14-май күнги «Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы 35/III-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин: 8-статьяныӊ атамасы төмендеги мазмунда баян етилсин: 8-статья. Депутатлық сораўнама 3-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2016-жыл 21-сентябрь күнги «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы 99/X-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин: 1) 17-статьяныӊ оныншы бәнтиндеги «мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм» деген сөзлеринен кейин «хожалық» деген сөз бенен толықтырылсын. 2) 17-статья төмендеги он биринши бәнт пенен толықтырылсын: 11) мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары тәрепинен нызамлардың, Жокарғы Кеңес қарарларының орынланыў жағдайы, ҳуқықты қолланыў әмелиятын ўақты-ўақты менен орынларға шығып үйренеди. 3) 8-статьяныӊ 30-бәнтиндеги «Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығының,» деген сөзлер алып таслансын. 4-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2016-жыл 10-июнь күнги «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Регламенти ҳаққында»ғы 88/IX-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин: 1) 20-статьяныӊ алтыншы бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин: Комитетлер ҳәм комиссия саны ҳәм қурамы сессияда белгиленеди. Жоқарғы Кеңес қурамында, әдетте, төмендеги комитетлер ҳәм комиссия дүзилиўи мүмкин: Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар, инновация ҳәм туризм мәселелери комитети; Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети; Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети; Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети; Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитети; Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитети; Регламент ҳәм депутатлық әдеплилик мәселелери комиссиясы. 2) 32-статья: Усы статьяныӊ атамасындағы «Қарақалпақстан Республикасының» деген сөзлеринен кейин «республика» деген сөз бенен толықтырылсын. биринши бөлимдеги «Қарақалпақстан Республикасының» деген сөзлеринен кейин «республика» деген сөз бенен толықтырылсын. 3) 33-статьяныӊ: а) атамасындағы «Қарақалпақстан Республикасының» деген сөзлеринен кейин «республика» деген сөз бенен толықтырылсын. б) биринши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасының» деген сөзлеринен кейин «республика» деген сөз бенен толықтырылсын. 4) 59-статьяныӊ 3-бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислер бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының баслықлары,» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслықлары,» деген сөзлер менен алмастырылсын. 5) 62-статьяныӊ: а) атамасындағы ҳәм биринши, екинши ҳәм үшинши бөлимлериндеги «Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығының,» деген сөзлер алып таслансын. б) атамасындағы «есабатларын» деген сөз «есабатын» деген сөз бенен алмастырылсын. в) биринши ҳәм екинши бөлимлердеги «есабатлары» деген сөз «есабаты» деген сөз бенен алмастырылсын. г) үшинши бөлимдеги «есабатларын, жуўмақлары ҳәм қарарлар» деген сөзлер «есабатын, жуўмағы ҳәм қарар» деген сөзлер менен алмастырылсын. Усы бөлимдеги «Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетине ҳәм» деген сөзлер алып таслансын. 5-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2016-жыл 28-декабрь күнги «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы 117/ХIII -санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин: 1) 5-статья: биринши бөлимниӊ екинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин: «Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетиниӊ орынланыўын қарап шығыў»; биринши бөлимниӊ төртинши-он үшинши абзацлары төмендеги мазмундағы төртинши-он төртинши абзацлар менен алмастырылсын: Министрлер Кеӊеси Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатнамасынан келип шығатуғын, тийисли жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламасыныӊ орынланыўыныӊ барысы ҳаққындағы есабатын қарап шығыў; Министрлер Кеңеси Баслығының республиканың социаллық-экономикалық раўажланыўының айырым әҳмийетли мәселелери бойынша есабатын тыңлаў; Жоқарғы Кеңес сессиясында ҳүкимет ағзаларының, мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары басшыларының өз жумысына байланыслы мәселелери бойынша мәлимлемесин тыңлаў; Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының есабатын тыңлаў; Қала ҳәм район ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаў; Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығының есабатын тыңлаў; парламентлик сораў; Жоқарғы Кеңес депутатының сораўы; Жоқарғы Кеңес комитетлери тәрепинен мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары; Жоқарғы Кеңес комитетлери тәрепинен нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы жағдайын, ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў ҳәм нызам асты актлериниң қабыл етилиўи бойынша мониторингти жүргизиў; Парламентлик тексериў. 2) 6-статья алып таслансын. 3) Төмендеги мазмундағы 81-статьясы менен толықтырылсын: «81-статья. Министрлер Кеӊеси Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатнамасынан келип шығып, тийисли жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламаныӊ орынланыўы барысы ҳаққындағы есабатын қарап шығыўМинистрлер Кеӊесиниӊ Баслығы Ҳүкимет ағзалары менен биргеликте ҳәр шеректе Жоқары Кеӊеске Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатнамасынан келип шығып, тийисли жылға мөлшерленген мәмлекет бағдарламасыныӊ орынланыўы ҳаққында есабат усыныс етеди. Фракциялар, депутатлар топарлары, Жоқары Кеӊес комитетлери Министрлер Кеӊесиниӊ есабатын дәслепки тәрзде қарап шығады ҳәм Жоқарғы Кеӊес сессиясында мәжбурий түрде ҳәм ҳәр тәреплеме додаланыўы керек болған пикирлер ҳәм усынысларды ислеп шығады. Жоқарғы Кеӊес Министрлер Кеӊнесиниң есабатын қарап шығыў жуўмақлары бойынша қарар қабыл етеди, қарар Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатнамасынан келип шығып, тийисли жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламаны орынлаў бойынша ҳүкимет жумысыныӊ нәтийжелилигин асырыўға қаратылған усынысларды өз ишине алыўы мүмкин. Министрлер Кеӊесиниӊ есабатын қарап шығыў жуўмақлары бойынша қабыл етилген Жоқарғы Кеӊес қарарлары Министрлер Кеӊесине жибериледи». 4) 10-статьяныӊ төртинши бөлиминдеги «еки мәрте» деген сөзлер «төрт мәрте» деген сөзлер менен алмастырылсын. 5) 12-статья алып таслансын. 6) төмендеги мазмундағы 171-статьясы менен толықтырылсын: 171- Парламентлик тексериў Жәмийет ҳәм мәмлекеттиң ең зәрүрли мәплерине қатнаслы, мәмлекет қәўипсизлигиниӊ тийкарларына, оның турақлы раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин болған белгили бир фактлерди ямаса ўақыяларды үйрениў мақсетинде Жоқарғы Кеӊестиӊ қарары менен парламентлик тексериў өткерилиўи мүмкин. Жоқарғы Кеӊес парламентлик тексериўин өткериў ушын тийислисинше Жоқарғы Кеӊес депутатлары арасынан комиссия дүзеди. Комиссия парламентлик тексериўди өткериўде төмендегилерге ҳақылы: мәмлекетлик уйымлардыӊ, хожалық басқарыўы уйымларыныӊ ўәкиллерин, қәнигелерин, экспертлерди ҳәм илимпазларды комиссия жумысына қосыўға; мәмлекетлик уйымлардан, хожалық басқарыў уйымларынан, басқа да уйымлардан, соның менен бирге пуқаралардан зәрүр мағлыўматларды сорап алыўға; мәмлекетлик уйымлардыӊ, хожалық басқарыў уйымларыныӊ, басқа да уйымлардыӊ лаўазымлы шахсларын, соның менен бирге пуқараларды түсиниклер бериў ушын мирәт етиўге; Комиссия Жоқарғы Кеӊестиӊ қарарына муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. Комиссия тийислисинше Жоқарғы Кеӊести орынланған жумыслар ҳаққында Жоқарғы Кеӊес тәрепинен белгиленген мүддетте хабардар етеди. 6-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1993-жыл 9-апрель күнги «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы 258/XII-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин: 4-статьяныӊ төртинши бәнтиндеги екинши абзац төмендеги редакцияда баян етилсин: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оныӊ Президиумы қарарларының; 7-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2009-жыл 8-октябрь күнги «Музейлер ҳаққында»ғы 249/III –санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин: 1) Төмендеги мазмундағы 271-статьясы менен толықтырылсын: «271-статья. Музейлердиң жумыс түрлери Музейлер нызамшылықта қадаған етилмеген ҳәм де усы Нызамның 24-статьясында нәзерде тутылған музейлерди шөлкемлестириў мақсетлерине сай болған жумыс түрлерин өз шөлкемлестириў ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырыўы мүмкин. Бунда музейлер тәрепинен музей буйымлары ҳәм музей коллекцияларыныӊ пүтин сақланыўы тәмийинлениўи керек». 2) 28-статья төмендеги мазмундағы төртинши бөлим менен толықтырылсын: «Мәмлекетлик музейлерине пуллы хызметлер көрсетиўден, қайырқомлықлардан ҳәм де нызамшылықта қадаған етилмеген басқа дереклерден келип түсетуғын қаржылар келеси жыл ушын бюджеттен қаржылардырыў көлемин белгилеўде есапқа алынбайды ҳәм бул қаржылар есабынан бюджеттен қаржыландырыў муғдары кемейтирилмейди. Бунда көрсетилген қаржылардан мәмлекетлик музейлериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа мақсетлер ушын пайдаланылады». 8-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2009-жыл 25-декабрь күнги «Халықты туберкулёз кеселлигинен қорғаў ҳаққында»ғы 271/III-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин: 1) 8-статьяныӊ биринши бөлиминдеги «Ветеринариялық хызметлер халықты туберкулёз кеселлигинен қорғаў мақсетинде ҳайўанларды» деген сөзлерден кейин «Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети» деген сөзлер менен толықтырылсын. 2) 10-статьяныӊ текстиндеги «Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария комитети» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети» деген сөзлер менен алмастырылсын. 9-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2011-жыл 28-декабрьдеги «Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳаққында»ғы 110/VIII-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин: 1) 6-статья төмендеги мазмундағы тоғызыншы абзац пенен толықтырылсын: «Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасын — жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери бузылғанлығы, социаллық тәрептен қәўипли жағдайда болған ҳәм де мәмлекеттиң социаллық жәрдемине мүтәж болған жас өспиримлер ҳәм шаңарақлар анықланғанлығы ҳаққында дәрҳал хабар етеди»; 2) 8-статьяныӊ биринши бөлими төмендеги мазмундағы жетинши ҳәм сегизинши абзацлар менен толықтырылсын: «мийнет уйымлары»; «Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы»; 3) төмендеги мазмундағы 171-статья менен толықтырылсын: «171-статья. Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы өз ўәкилликлери шеңберинде: жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғайды; жас өспиримлердиң өз талантын ҳәм уқыбын толық көрсетиўге, сондай-ақ олардың өз қәбилетлерин әмелге асырыўына тосқынлық етиўши факторларды анықлайды ҳәм де оларды сапластырыў бойынша шаралар көреди; жас өспиримлер ортасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықтыӊ профилактикасында қатнасады; жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген ямаса қәнигелестирилген оқыў-тәрбия мәкемелеринен қайтып келген жас өспиримлерди социал-педагогикалық тәрептен реабилитация етиўге ҳәм олардың масласыўына көмеклеседи. Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин». 4) 26-статьяныӊ: а) сегизинши бөлиминдеги «Жынаят ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы судына» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы судына» деген сөзлер менен алмастырылсын; б) тоғызыншы бөлимниӊ 1-абзацындағы «Жынаят ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы судының» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ» деген сөзлер менен алмастырылсын. 5) 30-статьяныӊ: а) сегизинши бөлиминдеги «Жынаят ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы судына» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы судына» деген сөзлер менен алмастырылсын. б) тоғызыншы бөлимниӊ 1-абзацындағы «Жынаят ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы судының» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ» деген сөзлер менен алмастырылсын. 10-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2018-жыл 4-апрель күнги «Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы 133/XV-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин: төмендеги мазмундағы 71-статьясы менен толықтырылсын: 71-статья. Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат саласындағы ўәкилликлери Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат саласындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы органы болып табылады (буннан кейин текстте арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымы деп жүритиледи). Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымы: жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат саласындағы бағдарламаларын ислеп шығады ҳәм әмелге асырады; жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат саласындағы нызам дөретиўшилиги жумысында қатнасады, тийисли нормативлик ҳуқықый актлерди жетилистириў бойынша усыныслар таярлайды; жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырады; жаслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға қаратылған илажларды әмелге асырады; жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасын әмелге асырыўда қатнасады; жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатының әмелге асырылыўын таллайды, сондай-ақ оны жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығады; жасларды ҳуқықый ҳәм социаллық қорғаўға, сондай-ақ олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған илажларды әмелге асырады; сырт елде оқыйтуғын жаслар менен ислерди системалық тийкарда шөлкемлестиреди; жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат ҳаққындағы нызамшылықтың анықланған бузылыўларын, оларға мүмкиншилик жаратыўшы себеплер ҳәм шәрт-шәраятларды сапластырыў ҳаққында мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери басшыларына қарап шығылыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизеди; жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў мәселелери бойынша мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң биргеликтеги ислеўин тәмийинлеўге байланыслы илажларды әмелге асырады; жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары менен биргеликте ислейди; Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымы нызамшылыққа муўапық басқа ўәкилликлерди де әмелге асырыўы мүмкин. Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерине жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша нормативлик ҳуқықый актлер ҳәм бағдарламалардыӊ орынланыўы ҳәм де олардың ўәкилликлерине киретуғын басқа да зәрүрли мәселелер ҳаққында тийкарланған түсиндириўлер усыныў талабы менен сораўлар жибериўге ҳақылы. Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыўға тиккелей ямаса тиккелей болмаған тәсир көрсететуғын нормативлик ҳуқықый актлер жойбарлары арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымы менен мәжбүрий тәртипте келисиледи». 11-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2014-жыл 30-сентябрьдеги «Экологиялық қадағалаў ҳаққында»ғы 227/XVI-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин: 11-статьяныӊ: а) биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин: Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекстан Республикасы Санаат қәўипсизлиги Мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан аймақлық басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы, Қарақалпақстан Республикаси Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар болып табылады. б) төртинши бөлимниӊ төртинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин: - Өзбекстан Республикасы Санаат қәўипсизлиги Мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан аймақлық басқармасы - санаат қәўипсизлигине, радиациялық ҳәм ядролық қәўипсизликке, жер астынан пайдаланып атырғанда ислерди қәўипсиз алып барылыўын тәмийинлеў бойынша; - төртинши бөлимниӊ сегизинши абзацындағы «Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария комитети» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикаси Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети» деген сөзлер менен алмастырылсын; - төртинши бөлимниӊ тоғызыншы абзацындағы «Қарақалпақстан Республикасы Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастры басқармасы» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги» деген сөзлер менен алмастырылсын;. 12-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2015-жыл 28-июль күнги «Акционерлик жәмийетлер ҳәм акционерлердиӊ ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы 40/IV-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин: 1) 13-статьяныӊ: а) үшинши бөлими алып таслансын; б) төртинши–бесинши бөлим тийислисинше үшинши-төртинши бөлимлер деп есаплансын. 2) 16-статьяныӊ: а) үшинши бөлиминдеги «шөлкемниӊ (мал-мүлктиң)» деген сөзлер «усы мәмлекетлик мүлктиң (шөлкемниң ямаса басқа да мал-мүлктиң)» деген сөзлер менен алмастырылсын; б) төртинши бөлими текстиндеги екинши гәп басы төмендеги редакцияда баян етилсин: «Бунда жайластырылған жеңилликли акциялардың номинал баҳасы жәмийет уставлық қорыныӊ (устав капиталының) жигирма бес пайызынан аспаўы керек»; 3) 22-статья алып таслансын; 4) 33-статьяның: а) сегизинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин: «Акциялардың ашық жазылыўы тек шөлкемлестирилген баҳалы қағазлар саўдаларында өткериледи»; б) оныншы ҳәм он биринши бөлимлер төмендеги редакцияда баян етилсин: «Акциялардың ҳәм басқа эмиссиялы баҳалы қағазлардың шығарылыўы усы шығарыўды тоқтатып турыўға алып келген қағыйда бузарлықлар жәмийет тәрепинен сапластырылмаған, сондай-ақ усы шығарылыўдағы акциялардың ҳәм басқа эмиссиялы баҳалы қағазлардың алпыс пайызынан кем бөлеги оларды шығарыў ҳаққындағы қарарда белгиленген мүддетте жеке жайластырылған жағдайда әмелге аспаған деп есапланады. Шөлкемлестирилген баҳалы қағазлар саўдаларында акциялар ҳәм басқа да эмиссиялы баҳалы қағазлар ғалабалық жайластырылған жағдайда олардың шығарылыўы, жайластырыў көлемине қарамастан, әмелге асқан деп белгиленеди»; 5) 34-статьяның екинши бөлиминдеги «(баҳалы қағазлардың биржа базарына ҳәм бирлескен биржадан тысқары базарына шығарыў)» деген сөзлер «(шөлкемлестирилген баҳалы қағазлар саўдаларына шығарыў)» деген сөзлер менен алмастырылсын; 6) 42-статьяныӊ: үшинши бөлими алып таслансын; төртинши-тоғызыншы бөлимлер тийислисинше үшинши-сегизинши бөлимлер деп есаплансын. 7) 44-статьяныӊ: үшинши бөлими алып таслансын; төртинши, бесинши ҳәм алтыншы бөлимлер тийислисинше үшинши, төртинши ҳәм бесинши бөлимлер деп есаплансын; 8) 51-статья төмендеги мазмундағы бесинши бөлим менен толықтырылсын: «Акционерлик жәмийети дүзилген шәртнамаға муўапық Орайлық депозитарий ҳәм (ямаса) инвестиция дәлдәлшылары арқалы дивидендлер төлемин әмелге асырыў ҳуқықына ийе»; бесинши, алтыншы ҳәм жетинши бөлимлер тийислисинше алтыншы, жетинши ҳәм сегизинши бөлимлер деп есаплансын; 9) 58-статья төмендеги мазмундағы жетинши бөлим менен толықтырылсын: «Акционерлердиӊ улыўма жыйналысын өткериў ўақтында улыўма жыйналыста, күн тәртибиндеги мәселелерди талқылаў ҳәм даўысқа қойылған мәселелер бойынша қарарлар қабыллаўда қатнасыў мүмкиншилигин беретуғын мәлимлеме-коммуникациялық технологияларынан пайдаланылыўы мүмкин. Акционерлердиӊ улыўма жыйналысында мәлимлеме-коммуникациялық технологияларынан пайдаланған ҳалда аралықтан турып қатнасыў ҳәм аралықтан турып электрон даўыс бериўдиң улыўма тәртиби баҳалы қағазлар базарын тәртипке салыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйымы тәрепинен белгиленеди»; жетинши бөлим сегизинши бөлим деп есаплансын; 10) 59-статьяныӊ: а) биринши бөлими он тоғызыншы абзацындағы «(баҳалы қағазлардың биржа базарына ҳәм бирлескен биржадан тысқары базарына шығарыў)» деген сөзлер «(шөлкемлестирилген баҳалы қағазлар саўдаларына шығарыў)» деген сөзлер менен алмастырылсын; б) үшинши бөлими үшинши абзацындағы «(баҳалы қағазлардың биржа базарына ҳәм бирлескен биржадан тысқары базарына шығарыў)» деген сөзлер «(шөлкемлестирилген баҳалы қағазлар саўдаларына шығарыў)» деген сөзлер менен алмастырылсын; 11) 60-статьяныӊ: тоғызыншы бөлими алып таслансын; оныншы бөлим тийислисинше тоғызыншы бөлим деп есаплансын. 12) 62-статьяныӊ: а) екинши бөлими алып таслансын; үшинши, төртинши ҳәм бесинши бөлимлер тийислисинше екинши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлер деп есаплансын; б) екинши бөлимниӊ алтыншы абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин: «улыўма жыйналыс өткериўге таярлық барысында акционерлерге усынылыўы лазым болған мәлимлеме (материаллар) менен акционерлерди таныстырыў тәртиби»; в) екинши бөлими төмендеги мазмундағы жетинши абзац пенен толықтырылсын: «Акционерлердиӊ улыўма жыйналысында қатнасыў ҳәм даўыс бериў, сондай-ақ мәлимлеме-коммуникациялық технологияларынан пайдаланған ҳалда аралықтан турып қатнасыў ҳәм даўыс бериў тәртиби»; г) үшинши бөлимдеги «ҳәм мәмлекет ўәкилине» деген сөзлер алып таслансын; д) төртинши бөлимдеги «ҳәм мәмлекет ўәкилине» деген сөзлер алып таслансын; ж) төмендеги мазмундағы бесинши бөлим менен толықтырылсын: «Акционерлерге ҳәм мәмлекетлик ўәкилине берилиўи тийис болған мәлимлемеден (материаллардан) Акционерлердиӊ улыўма жыйналысында қатнасатуғын, сондай-ақ мәлимлеме-коммуникациялық технологияларынан пайдаланған ҳалда аралықтан турып қатнасатуғын шахслар Акционерлердиӊ улыўма жыйналысы өткизилгенге шекем ҳәм оны өткизиў ўақтында пайдалана алыў мүмкиншилигине ийе болыўы керек»; 13) 64-статьяның: 64-статья биринши бөлиминдеги: а) бесинши абзацындағы «ҳәм мәмлекет ўәкилине» деген сөзлер алып таслансын; в) алтыншы абзацтағы «ҳәм мәмлекет ўәкилине» деген сөзлер алып таслансын; г) биринши бөлими төмендеги мазмундағы сегизинши абзац пенен толықтырылсын: «Акционерлердиӊ улыўма жыйналысында қатнасыў ҳәм даўыс бериў, сондай-ақ мәлимлеме-коммуникациялық технологияларынан пайдаланған ҳалда аралықтан турып қатнасыў ҳәм даўыс бериў тәртиби»; 14) 67-статьяныӊ: а) атамасындағы «ҳәм мәмлекет ўәкилине» деген сөзлер алып таслансын; б) биринши бөлимниӊ екинши гәп басы алып таслансын; в) үшинши бөлимдеги «паспортына тийисли мағлыўматлар» деген сөзлер «паспортына ямаса идентификациялаўшы ID-картасына тийисли мағлыўматлар» деген сөзлер менен алмастырылсын. 15) 70-статьяныӊ: а) биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин: «Акционерлердиӊ улыўма жыйналысында күн тәртибиндеги мәселелер бойынша даўыс бериў даўыс бериў бюллетеньлери арқалы ямаса мәлимлеме-коммуникациялық технологияларынан пайдаланған ҳалда аралықтан турып әмелге асырылады»; б) төмендеги мазмундағы бесинши бөлим менен толықтырылсын: «Акционерлердиӊ улыўма жыйналысында күн тәртибиндеги мәселелер бойынша мәлимлеме-коммуникациялық технологияларынан пайдаланған ҳалда аралықтан турып даўыс берилгенде даўыс бериў бюллетеньлеринен пайдаланылмайды. Бунда даўысқа қойылған мәселелер бойынша қабыл етилген қарардың нызамлылығы акционерди Акционерлердиӊ улыўма жыйналысында қатнасыў ушын дизимге алыўда пайдаланылатуғын электрон санлы имза менен тастыйықланады»; 16) 72-статьяның биринши ҳәм екинши бөлимлери төмендеги редакцияда баян етилсин: «Даўыс бериў жуўмақлары бойынша санақ комиссиясы даўыс бериў жуўмақлары ҳаққындағы санақ комиссиясы ағзалары тәрепинен қол қойылатуғын баянлама дүзеди. Даўыс бериў жуўмақлары ҳаққындағы баянлама Акционерлердиӊ улыўма жыйналысының, сондай-ақ мәлимлеме-коммуникациялық технологияларынан пайдаланған ҳалда аралықтан турып өткизилетуғын улыўма жыйналысының кворуми бар екенлиги ҳаққындағы мағлыўматты өз ишине алады. Даўыс бериў жуўмақлары ҳаққындағы баянлама дүзилгенинен ҳәм Акционерлердиӊ улыўма жыйналысының баянламасына қол қойылғаннан кейин Акционерлердиӊ қағаз ямаса электрон түрдеги даўыс бериў бюллетеньлери санақ комиссиясы тәрепинен мөрленеди ҳәм жәмийет архивына сақлаў ушын тапсырылады»; 17) 75-статья екинши бөлиминиң үшинши абзацындағы «(баҳалы қағазлардың биржа базарына ҳәм бирлескен биржадан тысқары базарына шығарыў)» деген сөзлер «(шөлкемлестирилген баҳалы қағазлар саўдаларына шығарыў)» деген сөзлер менен алмастырылсын; 18) 76-статьяныӊ: а) биринши бөлиминдеги «бир жыл» деген сөзлер «үш жыл» деген сөзлер менен алмастырылсын. б) он үшинши бөлим алып таслансын. 19) 78-статьяныӊ: а) бесинши бөлими алып таслансын; алтыншы-он биринши бөлимлери тийислисинше бесинши-оныншы бөлимлер деп есаплансын. б) сегизинши бөлиминиң үшинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин: «мәжилисте қатнасатуғын, сондай-ақ мәлимлеме-коммуникациялық технологияларынан пайдаланған ҳалда аралықтан турып қатнасатуғын шахслар»; 20) 79-статьяныӊ сегизинши бөлиминдеги «бир жыл» деген сөзлер «үш жыл» деген сөзлер менен алмастырылсын. 21) 89-статьяныӊ бесинши бөлиминдеги «он» деген сөз «бес» деген сөз менен алмастырылсын. 22) 91-статьяның оныншы абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин: «баҳалы қағазларды шөлкемлестирилген баҳалы қағазлар саўдаларында реализация етиўде». 23) 107-статьяныӊ: а) биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин: «Жәмийеттиӊ финанс-хожалық жумысын қадағалаўды әмелге асырыў ушын учун жәмийет уставында жәмийеттиӊ тексериў комиссиясын дүзиў (тексериўшини сайлаў) нәзерде тутылыўы мүмкин»; б) төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын: «Тексериў комиссиясы (тексериўши) акционерлердиӊ улыўма жыйналысы тәрепинен сайланады»; екинши-тоғызыншы бөлимлер тийислисинше үшинши-оныншы бөлимлер деп есаплансын. 13-статья. Қарақалпақстан Республикасының 1996-жыл 14-декабрь күнги «Қарақалпақстан Республикасының Референдумы ҳаққында»ғы 222/1-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин: 1) 28-статьяныӊ төртинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Судына» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы судына» деген сөзлер менен алмастырылсын. 2) 29-статьяныӊ екинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Судына» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы судына» деген сөзлер менен алмастырылсын. 14-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2006-жыл 29-август күнги «Жер ҳаққында»ғы (жаӊа редакция) 92/III-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин: 1) 4-статьяныӊ тексти төмендеги редакцияда баян етилсин: Жер қатнасықларын ретлестириў саласында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ўәкилликлерине төмендегилер киреди: топырақ өнимдарлығын арттырыў, жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша аймақлық бағдарламалар ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў; жер ресурсларынан белгиленген мақсетте, ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, жерлерди қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў; жер дүзиўди, жер мониторинги ҳәм мәмлекетлик жер кадастры жүргизилиўин шөлкемлестириў; аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди ижараға бериў бойынша ашық электрон таӊлаў жуўмақларын тастыйықлаў; жер участкаларын мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәжликлери ушын турақлы пайдаланыўға ажыратыў; көп квартиралы үйлер жайласқан ҳәм оларға тутас жер участкаларын улыўма пайдаланыў (коммерциялық емес мақсетлерде) ушын көп квартиралы үйлердеги жайлардыӊ меншик ийелерине турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында бериў; дипломатиялық ўәкилханалар ҳәм оларға теңлестирилген, Өзбекстан Республикасында аккредитацияланған халықаралық шөлкемлерге усы ўәкилханалардың имаратлары, соның ишинде ўәкилхана баслығы резиденциясын қурыў ушын жер участкаларын меншикке реализация етиў; жерге ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыў, сондай-ақ жер участкасын ижараға алыў ҳуқықларын белгиленген тәртипте, усы Нызамның 35-статьясына муўапық бийкарлаў; жер қатнасықларын ретлестириў саласында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ўәкилликлерине киретуғын басқа да мәселелерди шешиў; Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жер қатнасықлары саласындағы қарарлары жойбарлары Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде ҳуқықый экспертизадан өткерилиўи шәрт. 2) 5-статьяныӊ төртинши - он үшинши абзацлар төмендеги мазмундағы төртинши-жетинши абзацлары менен алмастырылсын: усы Нызамныӊ 23-статьясында нәзерде тутылған жағдайларда физикалық ҳәм юридикалық шахслар менен жер участкаларын ижараға бериў шәртнамасын дүзиў; жер дүзиўди, жер мониторинги ҳәм мәмлекетлик жер кадастры жүргизилиўин шөлкемлестириў; жер участкаларына болған ҳуқықлардыӊ ҳәм олар бойынша келисимлердиӊ мәмлекетлик дизимге алыныўын шөлкемлестириў; жер қатнасықларын ретлестириў саласында районлардыӊ мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларыныӊ ўәкилликлерине киретуғын басқа да мәселелерди шешиў. 3) 6-статьяныӊ төртинши - оныншы абзацлар төмендеги мазмундағы төртинши-жетинши абзацлары менен алмастырылсын: усы Нызамныӊ 23-статьясында нәзерде тутылған жағдайларда физикалық ҳәм юридикалық шахслар менен жер участкаларын ижараға бериў шәртнамасын дүзиў; жер дүзиўди, жер мониторинги ҳәм мәмлекетлик жер кадастры жүргизилиўин шөлкемлестириў; жер участкаларына болған ҳуқықлардыӊ ҳәм олар бойынша келисимлердиӊ мәмлекетлик дизимге алыныўын шөлкемлестириў; жер қатнасықларын ретлестириў саласында қалалардыӊ мәмлекетлик ҳәкимият уйымларыныӊ ўәкилликлерине киретуғын басқа да мәселелерди шешиў. 4) 8-статья: а) төртинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин: Жерлерди жер қоры категорияларына бөлиў ҳәм бир категориядан басқасына өткериў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси тәрепинен әмелге асырылады, буған аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди жер фондыныӊ басқа категориясына өткериў кирмейди. б) төмендеги мазмундағы бесинши бөлим менен толықтырылсын: Суўғарылмайтуғын жерлерди аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясынан басқа категорияға өткериў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен әмелге асырылады, суўғарылатуғын жерлерди аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясынан жер фондыныӊ басқа категориясына яки суўғарылмайтуғын жерлер категориясына өткериў болса Өзбекстан Республикасы Президенти қарарына муўапық әмелге асырылады. Бесинши ҳәм алтыншы бөлимлер тийислисинше алтыншы ҳәм жетинши бөлимлер деп есаплансын. 5) 11-статьяныӊ екинши бөлиминдеги «мәмлекетлик жер дүзиў хызмети уйымлары» деген сөзлер «Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм де Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниӊ уйымлары» деген сөзлер менен алмастырылсын. 6) 12-статьяныӊ бесинши бөлиминдеги «мәмлекетлик жер дүзиў хызмети уйымлары» деген сөзлер «Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм де Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниӊ уйымлары» деген сөзлер менен алмастырылсын. 7) 14-статьяныӊ алтыншы бөлиминдеги «жер дүзиў ҳәм мәмлекетлик кадастр хызмети уйымлары» деген сөзлер «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниӊ уйымлары» деген сөзлер менен алмастырылсын. 8) 15-статьяныӊ тексти төмендеги редакцияда баян етилсин: Жер улыўма миллий байлық болып есапланады, оннан ақылға уғрас пайдаланыў зәрүр ҳәм ол мәмлекет тәрепинен қорғалады. 9) 16-статьяныӊ тексти төмендеги редакцияда баян етилсин: Юридикалық шахслар усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық актлерине муўапық меншик, турақлы пайдаланыў ҳәм ижараға алыў ҳуқықы тийкарында жер участкаларына ийе болыўы мүмкин. Физикалық шахслар ушын усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық актлерине муўапық меншик ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында жер участкаларына ийе болыўы мүмкин. Сырт елли пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар, сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханалар жер участкаларына тек ғана ижара ҳуқықы тийкарында ийе болыўы мүмкин, усы Нызамныӊ 17-статьясыныӊ екинши ҳәм үшинши бөлимлеринде ҳәм Өзбекстан Республикасыныӊ халықаралық шәртнамаларында нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардыӊ 2021-жыл 1-август күнине шекем жер участкаларына пайда болған турақлы ийелик етиў, мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, турақлы пайдаланыў ҳәм мүддетли (ўақытша) пайдаланыў ҳуқықлары өз күшинде қалады, жер участкасына болған ҳуқықлар усы Нызамныӊ 35-статьясына муўапык бийкар етилген жағдайлар буннан тысқары. Юридикалық ҳәм физикалық шахслар аўыл хожалығына мөлшерленбеген, өзине турақлы пайдаланыў (ийелик етиў) яки мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында тийисли болған жер участкаларын аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққындағы нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларда меншиклестириўге ҳақылы. 10) 17-статьяныӊ биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин: Юридикалық ҳәм физикалық шахслардыӊ жер участкаларына болған меншик ҳуқықы аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары меншиклестирилгенде, нызамшылықта белгиленген тәртипте пайда болады. 11) 18-статья алып таслансын 12) 19-статья төмендеги редакцияда баян етилсин: 19-статья. Жер участкаларынан турақлы пайдаланыў ҳуқықы Жер участкалары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кенесиниӊ қарарына тийкар мәмлекетлик уйымларына, пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымларына мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәжликлери ушын турақлы пайдаланыўға бериледи. Жерлердиӊ мөлшерленген тийкарғы мақсетлерине муўапық: жайлаў менен бәнт болған жерлер; санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа мақсетлерге мөлшерленген жерлер - көрсетилген мақсетлерде пайдаланыў ушын юридикалық шахсларға берилген жерлер; тәбиятты қорғаў, саламатластырыў ҳәм рекреация мақсетлерине мөлшерленген жерлер; тарийхый-мәдений әхмийетке ийе жерлер; тоғай фонды жерлери; суў фонды жерлери; нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларда, жер фондыныӊ басқа категориядағы жерлери пайдаланыўға берилиўи мүмкин. Көп квартиралы үй жайласқан жер участкасы, сондай-ақ көп квартиралы үйге тутас жер участкасы, егер ол көп квартиралы үйдеги жайлардыӊ меншик ийелерине басқаша тәризде тийисли болмаса, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси тәрепинен усы меншик ийелерине турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында улыўма пайдаланыўға бериледи. Участкадан турақлы пайдаланыў ҳуқықы белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи тийис. 13) 21-статья төмендеги редакцияда баян етилсин: 21-статья. Жер участкасына болған ҳуқықтыӊ басқа шахсқа өтиўи Кәрхана, имарат, қурылма яки басқа көшпес мүлкке болған меншик ҳуқықы, хожалық жүргизиў ҳуқықы яки оператив басқарыў ҳуқықы басқа шахсқа өткен жағдайда, усы объектлер менен биргеликте бул объектлер жайласқан ҳәм олардан пайдаланыў ушын зәрүр болған жер участкасына турақлы ийелик етиў, мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, оннан турақлы пайдаланыў ҳәм ижара ҳуқықы да өтеди. Турақ-жайға, шарбаққа болған меншик ҳуқықы (сатып алыў, саўға етиў, оны мийрас бойынша алыў ҳәм басқа жағдайларда) физикалық шахсларға өткен жағдайда, усы имаратларға болған меншик ҳуқықы менен биргеликте бул имаратлар жайласқан барлық жер участкасына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы да өтеди. Кәрхана, имарат, қурылма яки басқа көшпес мүлк жайласқан жер участкасына ийелик етиў, мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, оннан турақлы пайдаланыў ҳәм ижара ҳуқықының басқа шахсқа өтиўи меншик ийелериниң яки олар ўәкиллик берген уйымлар ҳәм шахслардың тийисли шәртнамалары, қарарлары тийкарында район, қала жер кадастры китабына жердиң жаңа ийеси яки жерден жаңа пайдаланыўшы ямаса жаӊа ижараға алыўшы ҳаққындағы мағлыўматларды киргизиў ҳәм де жер участкасына турақлы ийелик етиў, оннан турақлы пайдаланыў, ижара (ижара шәртнамасыныӊ әмел етиў мүддетине) яки жер участкасына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықын белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткериў жолы менен рәсмийлестириледи. Кәрхананың, имараттың, қурылманың яки басқа көшпес мүлктиң бир бөлегине тийисли меншик ҳуқықы, хожалық жүргизиў ҳуқықы, оператив басқарыў ҳуқықы жаңа меншик ийесине яки басқа ҳуқықлардың ийесине өткен жағдайда, оған жер участкасының, кәрхананың, имараттың, қурылманың ямаса басқа көшпес мүлктиң үлесине ылайық болған бөлегине турақлы ийелик етиў, мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, оннан турақлы пайдаланыў ҳәм ижара ҳуқықы да өтеди, жер участкасын бундай ажыратыў мүмкин болмаған жағдайларда, сондай-ақ усы статьяның үшинши бөлиминде нәзерде тутылған мәселелер бойынша келиспеўшиликлер болғанда жер участкасының бөлиниўи Өзбекстан Республикасы Салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниӊ Мәмлекетлик кадастрлары палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен әмелге асырылып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ қарары менен тастыйықланады ҳәм буннан соң жер участкасына болған меншик ҳуқықы, оннан турақлы пайдаланыў ҳәм ижара ҳуқықы мәмлекетлик дизимге алынады ҳәм де мәмлекетлик дизимге алыў тийисли дизимге алыў ҳаққындағы тийисли көширмелер бериледи. 14) 22-статьяныӊ: а) биринши, екинши ҳәм үшинши бөлимлери төмендеги редакцияда баян етилсин: Жер участкаларын меншикке бериў (реализация етиў), турақлы пайдаланыў ушын ҳәм ижараға бериў жер ажыратыў тәртибинде әмелге асырылады. Жер участкаларын бериў (реализация етиў) төмендеги тәртипте әмелге асырылады: 1) меншикке бериў (реализация етиў) — аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық, сондай-ақ, жеке тәртипте үй-жай қурыў ҳәмде үй-жайды абаданластырыў, исбилерменлик ҳәм қаласазлық жумысын әмелге асырыў ушын электрон онлайн-аукцион қуралында; 2) турақлы пайдаланыўға бериў – усы Нызамныӊ 19-статьясында нәзерде тутылған жағдайларда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси тәрепинен; 3) ижараға бериў – Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси тәрепинен, сондай-ақ электрон онлайн-аукцион арқалы. Ийелик етиўдеги, пайдаланыўдағы, ижарадағы ҳәм меншикке берилген жер участкасын бериў (реализация етиў) усы Нызамда белгиленген тәртипте тек ғана усы жер участкасы белгиленген тәртипте қайтарып алып қойылғаннан (сатып алынғанынан) ҳәм мүлк сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин әмелге асырылады. б) бесинши бөлимдеги «жер дүзиў хызмети» деген сөзлер «Өзбекстан Республикасы Салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниӊ Мәмлекетлик кадастрлары палатасы» сөзлер менен алмастырылсын. в) алтыншы бөлим төмендеги редакцияда баян етилсин: Жер участкаларын меншикке бериў (реализация етиў), олардан турақлы пайдаланыў ҳәм оларды ижараға бериў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. 15) 23-статьяныӊ екинши – алтыншы бөлимлери төмендеги мазмундағы екинши-он екинши бөлимлер менен алмастырылсын: Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары төмендегилерге ижара ҳуқықы тийкарында бериледи: Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ ашық электрон таңлаў нәтийжелерин тастыйықлаў ҳаққындағы қарары менен – физикалық ҳәм юридикалық шахсларға; Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен: Аўыл хожалығы саласында илимий-изертлеў ҳәм тәжрийбе-сынаў жумысларын әмелге асырыў ушын Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниӊ усынысына муўапық – мәмлекетлик илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелерине; жер участкасы нормативлик бахасыныӊ еки есесинен артық муғдардағы пул қаржылары депозитке қойылған жағдайда Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ усынысына муўапық - агросанаат кластерлерине; баҳасы кеминде 10 миллион АҚШ доллары эквивалентинде болған, еӊ жақсы усынысты таӊлап алыў жолы менен анықланатуғын ири инвестиция жойбарын әмелге асырыўшы физикалық ҳәм юридикалық шахсларға бериледи. Бунда берилетуғын жер участкасыныӊ өлшеми инвестиция көлемине қарап Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары төмендегилерге ижара тийкарында бериледи: электрон онлайн-аукцион тийкарында - физикалық ҳәм юридикалық шахсларға; Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен баҳасы кеминде 10 миллион АҚШ доллары эквивалентинде болған, еӊ жақсы усынысты таӊлап алыў жолы менен анықланатуғын ири инвестиция жойбарын әмелге асырыўшы физикалық ҳәм юридикалық шахсларға бериледи. Бунда берилип атырған жер участкасыныӊ өлшеми инвестиция көлемине қарап Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. Сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханаларға, халықаралық бирлеспелер ҳәм шөлкемлерге, сырт ел физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жер участкалары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен ижараға бериледи. Усы шахслар (халықаралық бирлеспелер ҳәм шөлкемлер буннан тысқары) жер участкасын ижараға алыў ҳуқықыныӊ Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын муғдардағы базар баҳасындағы Өзбекстан Республикасыныӊ Мәмлекетлик бюджетине төлениўи керек. Усы статьяныӊ екинши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлеринде нәзерде тутылған жағдайларда жер участкаларыныӊ ижарасына байланыслы шәртнама район (қала) ҳәкими менен дүзиледи. Аўыл хожалығы кәрханалары, мәкемелери ҳәм шөлкемлери жер участкаларын ишки хожалық ижарасы тәртибинде тек ғана аўыл хожалығы ислеп шығарыў ушын ижарашыларға бириктирип қойыўы мүмкин. Ижараға берилген жер участкасын яки оныӊ бир бөлегин екилемши ижараға бериў қадаған етиледи, усы Нызамыныӊ 242-статьясында нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. Ижараға берилген жер участкалары алды-сатты, саўға, алмастырыў объекти болыўы мүмкин емес. Жер участкасын ижараға алыў ҳуқықы тек ғана кредитлер алыў ушын гиреўге қойылыўы мүмкин. Ижарашы тек ғана нызамда яки ижара шәртнамасында нәзерде тутылған жағдайларда ғана жер участкасына болған өз ижара ҳуқықларын ижараға бериўшиниӊ разылығысыз гиреўге қойыўға ҳақылы. Жер участкалары ижарасыныӊ шәртлери ҳәм мүддетлери тәреплердиӊ келисимине муўапық белгиленеди ҳәм де шәртнамада беккемленеди. Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер усы Нызамныӊ 441-статьясында белгиленген өлшемлерде отыз жыл мүддетке ижараға бериледи. Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерди ижараға бериў мүддети жүз жылдан артық болыўы мүмкин емес. Сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханаларға, халықаралық бирлеспелер ҳәм шөлкемлерге, сырт ел физикалық ҳәм юридикалық шахсларына жер участкаларын жигирма бес жылға шекем болған мүддетке ижараға бериледи. Жетинши-оныншы бөлимлер тийислисинше он үшинши– он алтыншы бөлимлер деп есаплансын. 16) Төмендеги мазмундағы 231, 232 , 233 ҳәм 234-статьялары менен толықтырылсын: 231-статъя. Турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында берилген жер участкаларының ижарасы Мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм шөлкемлерине турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ҳәм тоғай фонды жерлери инвестиция шәртнамасы яки мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында ижараға берилиўи мүмкин. Буған төмендеги жерлер үш жылдан кем болмаған ҳәм қырқ тоғыз жылдан аспайтуғын мүддетке ижараға берилиўи мүмкин: аўыл хожалығы оборотынан шығып кеткен суўғарылатуғын жерлер ҳәм қарызғар жерлер - Өзбекстен Республикасы пуқараларына ҳәм де аўыл хожалығы кәрханаларына; тоғай фондының пайдаланбайтуғын жерлери - физикалық ҳәм юридикалық шахсларға; Бул статъяның биринши бөлиминиң биринши абзацында нәзерде тутылған жағдайларда, жайлаўлар, боз жерлер, көп жыллық тереклер Өзбекстан Республикасы пуқараларына, аўыл хожалығы кәрханаларына, сондай-ақ Өзбекстен Республикасы резидентлери болған инвесторларға отыз жыл мүддетке, усы Нызамныӊ 461-статясында белгиленген өлшемлерде ижараға берилиўи мүмкин. Мәмлекетлик уйымларына, мәкемелерине ҳәм кәрханаларына турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында берилген аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер: мәмлекетлик-жеке шериклик жойбарларын әмелге асырыў ушын мәмлекетлик-жеке шериклик ҳаққындағы келисимниӊ әмел етиў мүддетине - жеке шерикке; социаллық пайдалы мақсетлерге ерисиўге қаратылған жойбарларды әмелге асырыў ушын социаллық шериклик ҳаққындағы келисимлер ҳәм шәртнамалардың әмел етиў мүддетине — мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге ҳәм пуқаралық жәмийетиниӊ басқа институтларына; мәмлекет ҳәм жамийет мүтәжликлери ушын басқа юридикалық шахсларға ижараға берилиўи мүмкин. Усы статьяныӊ үшинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайларда жер участкаларын ижараға бериў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. 232-статья. Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди екилемши ижараға бериў Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер аўыл хожалығы өнимин жетистириў мақсетинде юридикалық ҳәм физикалық шахсларға екилемши ижараға берилиўи (оларды үшинши шахсларға бериў ҳуқықысыз) мүмкин. Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасы бир жылға шекем болған мүддетке екилемши ижараға берилиўи мүмкин, усы статьяныӊ үшинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. Пайдаланыўға киритилген аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын екилемши ижараға бериў шәртнамасының мүддети усы Нызамныӊ 231-статясында назарда тутылған жағдайларда, тәреплердиӊ келисимине муўапық белгиленеди ҳәм ол аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын ижараға бериў шәртнамасы мүддетинен артық болыўы мүмкин емес. Екилемши ижараға берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасы алды-сатты, гиреў, саўға, алмастырыў объекти болыўы мүмкин емес. Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын екилемши ижараға бериў шәртлери ҳәм мүддетлери тәреплердиӊ келисимине муўапық белгиленеди ҳәм де шәртнама менен беккемленеди. Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди екилемши ижараға бергенлик ушын пул өндириў тәртиби ҳәм муғдарлары нызамшылыққа муўапық екилемши ижара шәртнамасында белгиленеди. Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын екилемши ижараға бериў шәртнамасы нызамшылықта нәзерде тутылған тәртипте мәмлекетлик дизиминен өткерилиўи лазым. Егер аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын ижараға бериў шәртнамасында басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, усы шәртнаманы мүддетинен бурын бийкарлаў аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын екилемши ижараға бериў шәртнамасының бийкар етилиўине себеп болады. Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын екилемши ижараға бериў шәртнамасын мүддетинен бурын бийкарлаў тәреплердиӊ келисимине муўапық, бундай келисимге ерисилмеген жағдайда болса судтыӊ қарарына муўапық әмелге асырылады. Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын екилемши ижараға бериў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. 233-статья. Жер участкасын оған болған мийрас етип қалдырылатуғын өмирликке ийелик етиў, ижара ямаса меншик ҳуқықын сақлап қалған ҳалда ўақытша пайдаланыўға бериў Дийҳан хожалықлары ҳәм жеке қыйтақ жер участкалары ийелери өзине мийрас етип қалдырылатуғын өмирликке ийелик етиў, ижара ямаса меншик ҳуқықы тийкарында тийисли болған жер участкаларын ямаса олардыӊ бир бөлегин аўыл хожалығы өнимин жетистириў мақсетинде физикалық ҳәм юридикалық шахсларға ўақытша пайдаланыўға бериўи мүмкин. Жер участкасынан ўақытша пайдаланыў тәртиби тәреплердиӊ келисими тийкарында белгиленеди. Бунда дийҳан хожалықлары ҳәм жеке қыйтақ жер участкалары ийелериниң усы жер участкаларына болған ҳуқықы сақланып қалады. 234-статья. Жер участкасына болған ижара ҳуқықын мәмлекетлик дизимнен өткериў Жер участкасына болған ижара ҳуқықын мәмлекетлик дизимнен өткериў район (қала) ҳәкими ҳәм ижараға алыўшы ортасында дүзилген жер участкасының ижарасына тийисли шәртнама тийкарында, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлар палатасы тәрепинен белгиленген тәртипте электрон мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады. Мәмлекетлик дизимнен өткерилген жер участкалары ҳаққындағы мағлыўматлар белгиленген тәртипте ашық ҳалда жәрияланады. 17) 26-статъя төмендеги редакцияда баян етилсин: 26-статъя. Өзбекстан Республикасы пуқараларына жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў ушын жер участкаларын реализация етиў Өзбекстан Республикасы пуқараларына жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў ушын 0,04 гектарға шекем жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы меншик ҳуқықы тийкарында реализация етиледи. Жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў ушын жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы реализация етиўде жер участкаларын инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаў шәртлери нәзерде тутылыўы керек. 18) 31-статья: а) екинши бөлимдеги «жер дүзиў хызмети уйымлары» деген сөзлер «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлар палатасы бөлимлери» деген сөзлер менен алмастырылсын. б) төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын: Жер участкасының шегараларын сол жердиӊ өзинде ҳәм карталарда дәслепки тәризде белгилеў ажыратып бериў ушын жер участкасы танланған ўақытта оны бериў ҳаққындағы қарар қабыл етилгенге шекем әмелге асырылады. Екинши-төртинши бөлимлер тийислисинше үшинши-бесинши бөлимлер деп есаплансын. 19) 33-статья алып таслансын. 20) 35-статья: а) биринши бөлимниӊ 4-бәнти алып таслансын. б) төртинши бөлим төмендеги редакцияда баян етилсин: Жер участкасына ийелик етиў ҳуқықын яки жер участкасынан турақлы яки ўақытша пайдаланыў ҳуқықын усы статьяның биринши бөлиминиң 1, 2, 3 ҳәм 5-бәнтлеринде көрсетилген жағдайларда тамамлаў жерден пайдаланыў ҳәм оны қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўшы уйымлардың усынысына муўапық ҳуқықлар тоқтатылыўының тийкарлы екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң яки Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ қарарлары менен әмелге асырылады. Жер участкасына ийелик етиў ҳуқықын, жер участкасынан турақлы ямаса ўақытша пайдаланыў ҳуқықын усы статьяның 6-11-бәнтлеринде көрсетилген жағдайда тоқтатыў усы Нызамныӊ 37-статьясында белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Жер участкасына ийелик етиў яки жер участкасынан турақлы ямаса ўақытша пайдаланыў ҳуқықы усы статьяныӊ биринши бөлими 12-бәнтинде көрсетилген жағдайда тоқтатыў тийисли районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслериниң усынысына муўапық, ҳуқықлардың тоқтатылыўының тийкарлы екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары менен әмелге асырылады. Физикалық ҳәм юридикалық шахслар жер участкаларына ийелик етиў ҳуқықын, жер участкасынан турақлы яки ўақытша пайдаланыў ҳуқықын тоқтатыў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ҳәм де көрсетилген лаўазымлы шахслардың қарарларынан наразы болған жағдайда усы қарарлар үстинен судқа шағым етиўи мүмкин. в) төмендеги мазмундағы бесинши бөлим менен толықтырылсын: Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм мәмлекетлик басқарыў уйымлары жер участкаларына болған ҳуқықларды ашық таӊлаў ҳәм электрон онлайн-аукцион жуўмақлары ҳаққындағы баянламаны бийкарлаў яки өзгерис киргизиў жолы менен бийкарлаўға ҳақылы емес, усы статьяда нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. бесинши, алтыншы ҳәм жетинши бөлимлер тийислисинше алтыншы, жетинши ҳәм сегизинши бөлимлер деп есаплансын. 21) 43-статьяныӊ үшинши бөлими төмендеги мазмундағы үшинши-бесинши бөлимлери менен алмастырылсын: Суўғарылатуғын жерлерден тек аўыл хожалығы егинлерин жетистириў, сондай-ақ, бағманшылық, жүзимшилик ҳәм көп жыллық тереклерди жетистириў ушын пайдаланылыўы мүмкин. Суўғарылатуғын жерлер арнаўлы қорғалыўы тийис. Бундай жерлерди суўғарылмайтуғын жерлер қатарына киргизиў айырым жағдайларда, топырақ-мелиоратив ҳәм экономикалық шараятлар ҳәм де жерлердиң суў менен тәмийинленгенлиги, олардыӊ суў ресурсларын ҳәм бул суўларға белгиленген лимитлерди есапқа алып, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң жуўмағына муўапық Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен әмелге асырылады. Суўғарылатуғын жерлерди аўыл хожалығынан басқа мақсетлер ушын, сондай-ақ, санаат ҳәм пуқаралық объектлери (имаратлар ҳәм қурылмалар) қурылысы ушын, сондай-ақ, өнимдар топырақ талап етилмейтуғын алдыңғы технологиялардың (гидропоника ҳәм басқалар) жаңа усыллары қолланылатуғын ыссыханалар қурылысы ушын ажыратыўға жол қойылмайды. Суўғарылатуғын жерлерде аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде оларға топырақ өнимдарлығы төменлеўине алып келетуғын тәризде усыллар менен қайта ислеў ямаса олардың зақымланыўына алып келиўши басқа да усылларды қоллаў қадаған етиледи. 22) 44-статьяныӊ тексти төмендеги редакцияда баян етилсин: Топырақ өнимдарлығына муўапық орташа районлық бонитет балынан 20 пайыздан жоқары болған суўғарылатуғын аўыл хожалығы жерлери айрықша баҳалы өнимдарлы суўғарылатуғын жерлерге киреди. Айрықша баҳалы өнимдарлы суўғарылатуғын жерлер арнаўлы түрде қорғалыўы тийис ҳәм олардың суўғарылмайтуғын жерлер қатарына өткерилиўине жол қойылмайды. 23) Төмендеги мазмундағы 441-статьясы менен толықтырылсын: 441-статья. Бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары Нызамшылыққа муўапық физикалық ҳәм юридикалық шахсларға ажыратылмаған ҳәм де жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларыныӊ бийлигинде болған аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары болып табылады. Бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары белгиленген тәртипте мәмлекетлик меншик сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткериледи. Физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жер участкаларын аўыл хожалығы мақсетлери ушын бериў тек бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары есабынан әмелге асырылады. 24) 45-статьяныӊ: а) биринши бөлимдеги биринши бәнт төмендеги редакцияда баян етилсин: 1) аўыл хожалығы кооперативлерине, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлерге, сондай-ақ, басқа да юридикалық шахсларға-товарлық аўыл хожалығы өндирисин жүргизиў ушын; бесинши ҳәм алтыншы бәнтлер алып таслансын; б) екинши ҳәм үшинши бөлимлер алып таслансын. 25) Төмендеги мазмундағы 451-статьясы менен толықтырылсын: 451-статья. Бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларының ажратылатуғын өлшемлери Бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары төмендеги өлшемлерде ажратылады: 1) дийхан хожалығын жүргизиў ушын — 0, 06 гектардан 1 гектарға шекем; 2) фермер хожалықларына ҳәм басқа юридикалық шахсларға: палыз егинлерине қәнигелескенлерге — кеминде 3 гектар; бағшылыққа, жүзимшиликке қәнигелескенлерге — кеминде 3 гектар; шарўашылық өнимин ислеп шығарыўға қәнигелескенлерге азық егинлерин жетистириў ушын (шәртли бир бас қарамал ушын) — суўғарылатуғын жерлерден — кеминде 0,3 гектар, қарызғар жерлерден — кеминде 1 гектар, жайлаўлар ҳәм пишензарлардан — кеминде 2 гектар; пахташылық ҳәм ғәллешиликке қәнигелескенлерге — кеминде 30 гектар; ғәллешилик ҳәм палыз егинлерине қәнигелескенлерге — кеминде 10 гектар; 3) агросаноат кластерлери, сондай-ақ кооперация түриндеги кластерлер ушын: пахташылық -тоқымашылыққа қәнигелескенлерге — кеминде 2000 гектар; ғәллешиликке қәнигелескенлерге — кеминде 1000 гектар; палыз егинлерине ҳәм палызшылыққа қәнигелескенлерге — кеминде 200 гектар; бағшылық, жүзимшиликке қәнигелескенлерге — кеминде 100 гектар; шарўашылық өнимин ислеп шығыўға қәнигелескенлерге азық егинлерин жетистириў ушын (шәртли бир бас қарамал ушын) суўғарылатуғын жерлерден — кеминде 0,3 гектар, қарызғар жерлерден — кеминде 1 гектар, жайлаўлар ҳәм пишензарлардан — кеминде 2 гектар. 26) Төмендеги мазмундағы 471-статьясы менен толықтырылсын: 471-статья. Тәжрийбе-ислеп шығарыў, оқыў, оқыў-тәжрийбе ҳәм оқыў-ислеп шығарыў хожалықлары, илимий-изертлеў ҳәм басқа аўыл хожалық мәкемелери ҳәм шөлкемлерине жер участкаларын бериў Тәжрийбе-ислеп шығарыў, оқыў, оқыў-тәжрийбе ҳәм оқыў-ислеп шығарыў хожалықлары, илимий-изертлеў ҳәм басқа аўыл хожалық мәкемелери ҳәм шөлкемлерине аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер турақлы пайдаланыў, мүддетли (ўақытша) пайдаланыў ямаса ижара ҳуқықы тийкарында илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мақсетлери, товар аўыл хожалығын жүргизиў ҳәм алдыңғы тәжрийбени үгит нәсиятлаў ушын бериледи. Тәжрийбе-ислеп шығарыў, оқыў, оқыў-тәжрийбе ҳәм оқыў-ислеп шығарыў хожалықлары, илимий-изертлеў ҳәм басқа аўыл хожалық мәкемелери ҳәм шөлкемлери жер участкаларын ижараға ямаса екилемши ижараға бериў ҳуқықына ийе емес. Тәжрийбе-ислеп шығарыў, оқыў, оқыў-тәжрийбе ҳәм оқыў-ислеп шығарыў хожалықлары, илимий-изертлеў ҳәм басқа аўыл хожалық мәкемелери ҳәм шөлкемлерине берилген, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерде имаратлар ҳәм қурылмалар қурыўға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ қарарына муўапық айрықша жағдайларда жол қойылады. 27) 51-статья алып таслансын. 28) 52-статьяныӊ тексти төмендеги редакцияда баян етилсин: Дийхан хожалығын жүргизиў ушын пуқараларға жер участкаларын бериў тәртиби «Дийхан хожалығы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына муўапық белгиленеди. Дийхан хожалығын жүргизиў ушын жер участкасын ижараға бериў ҳаққындағы қарар усы Нызамныӊ 23-статьясы екинши бөлим 1-бәнтинде белгиленген тәртипте қабыл етиледи. 29) 53-статья төмендегише баян етилсин: 53-статья. Жәмәәтлик бағманшылық, жүзимшиликти ҳәм палызшылықты жүргизиў ушын пуқараларға берилген жер участкалары Жәмәәтлик палызшылығы ушын берилген жер участкаларынан мийўе овощь, картошка ҳәм палыз егинлерин жетистириўде пайдаланылады. Олардан үйлер ҳәм басқа капитал қурылмалар қурыў ушын пайдаланыў қадаған етиледи. Бундай участкаларда улыўма пайдаланыўдағы ўақытша имаратлар ҳәм қурылмалар қурыўға нызамшылықта белгиленген тәртипте рухсат берилиўи мүмкин. Жәмәәтлик бағманшылығы, жүзимшилиги ҳәм палызшылығы ушын берилген жерлерден пайдаланыў тәртиби ҳәм шәртлери нызамшылық пенен белгиленеди. 30) 54-статья алып таслансын. 31) 59-статьяныӊ екинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин: Қала ҳәм посёлка қурылысы жерлери турақ жай, мәдений-турмыс, санаат объектлерин қурыў ҳәм капитал қурылыстың басқа түрлери ушын, сондай-ақ, жеке тәртипте турақ-жай қурыў ушын усы Нызамда белгиленген тәртипте бериледи. 32) 77-статьяныӊ бесинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин: Жерлердиң жағдайына тәсир ететуғын объектлерди жайластырыў нызамшылықта белгиленген тәртипте тәбиятты қорғаў, аўыл хожалығы, қурылыс уйымлары ҳәм басқа да уйымлар менен келисип алынады. 33) Усы Нызамныӊ XII-БАП атамасы төмендегише баян етилсин: XII-БАП. Жер участкаларын ажыратыў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен қадағалаў 34) 80-статья төмендеги редакцияда баян етилсин: 80-статья. Жер участкаларын ажыратыў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен қадағалаўды әмелге асырыўдың тийкарғы ўазыйпалары Жер участкаларын ажыратыў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен қадағалаўды әмелге асырыўдың тийкарғы ўазыйпалары нызамшылық талапларына физикалық ҳәм юридикалық шахслар, мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен әмел етилиўин тәмийинлеўден ибарат. 35) Төмендеги мазмундағы 801-статьясы менен толықтырылсын: 801-статья. Жер участкаларын ажыратыў, олардан пайдаланыў ҳәм де оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўы Жер участкаларын ажыратыў, олардан пайдаланыў ҳәм де оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм де арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен әмелге асырылады. Жер участкаларынан мақсетли пайдаланыў үстинен, жер участкаларына болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизиминен өткериўди әмелге асырмаўға, өз басымшалық пенен жер участкаларын ийелеп алыўға ямаса олардың шегараларын өзгертиўге, жерлердиң категориясына қарамастан, барлық түрдеги имаратлар ҳәм қурылмаларды өз басымшалық пенен қурыўға жол қоймаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў хожалық журитиўиши субъектлер жумысын тексериў есапланбайды. Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлары жер участкаларын ажыратыў менен байланыслы зәрүр статистикалық мәлимлемени, аналитикалық материалларды, ҳүжжетлерди, басқа мәлимлемени, қарарларды ҳәм тағы басқа да ҳүжжетлерди, сондай-ақ ашық таңлаўларға ҳәм электрон онлайн-аукционларға тийисли мәлимлемени мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлеринен ямаса олардың лаўазымлы шахсларынан қалыс тийкарда сораў ҳәм алыўға ҳақылы. Мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслар соралып атырған мәлимлемени арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымларына бес жумыс күни ишинде усыныўы керек. 36) 81-статьяныӊ атамасы төмендеги редакцияда баян етилсин: 81-статья. Жер участкаларын ажыратыў, олардан пайдаланыў ҳәм де оларды қорғаў үстинен жәмийетшилик қадағалаўы а) биринши бөлим төмендеги редакцияда баян етилсин: Пуқаралар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, ғалаба хабар қураллары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери жер участкаларын ажыратыў, олардан ақылға уғрас ҳәм мақсетли пайдаланыў ҳәм де оларды қорғаў үстинен жәмийетлик қадағалаўын өз ўәкилликлери шеңберинде әмелге асырыўға ҳақылы. б) екинши бөлим алып таслансын; үшинши-бесинши бөлимлер тийислисинше екинши-төртинши бөлимлер деп есаплансын; в) төмендеги мазмундағы бесинши ҳәм алтыншы бөлимлер менен толықтырылсын: Жер участкаларын өз басымшалық пенен ийелеп алыў, жер участкаларынан мақсетсиз пайдаланыў, олардан тийисли ҳүжжетлерде көрсетилген нормалардан артықша тәризде нызамға қайшы тәризде пайдаланыў, нызамсыз объектлерди ҳәм қурылмаларды қурыў жағдайлары, жер қатнасықлары саласындағы надурыс пайдаланғанлығы ҳаққында фото ҳәм видео жазыў техникасынан пайдаланылған ҳалда тастыйықланған хабарлар ушын жәмийетлик қадағалаў субъектлери хошаметлениўи мүмкин. Жәмийетлик қадағалаў субъектлерин хошаметлеў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. 37) Төмендеги мазмундағы 89-статья менен толықтырылсын: 89-статья. Жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеп алыў ақыбетлери Өз басымшалық менен ийеленген жер участкасына, сондай-ақ, аўыл хожалығына мөлшерленген, қурылыс мақсетлери ушын ажратылмаған жер участкасында қурылған ҳәр қандай имарат ҳәм қурылмаларға қарата меншик ҳуқықын ямаса басқа меншик ҳуқықларын белгилеўге жол қойылмайды, нызамда нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. Жер участкасын өз басымшалық пенен ийелеген, аўыл хожалығына мөлшерленген, қурылыс ушын ажратылмаған жер участкасында нызамсыз қурылыс объектин қурған шахслар ҳақ нийетли меншик ийеси деп тән алынбайды. Өз басымшалық пенен ийеленген жер участкаларындағы нызамсыз қурылыс объектлерин суў тәмийнаты, ақаба суў, электр, ыссылық энергиясы ҳәм газ тармақларына жалғаў қадаған етиледи. 15-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: өз қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын; усы Нызамға қайшы болған өз нормативлик ҳуқықый актлерин қайта қарап шығыўын ҳәм бийкар етиўин тәмийинлесин; усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин ҳәм де халықтыӊ арасында мазмун ҳәм әҳмийети түсиндирилиўин тәмийинлесин. 16-статья. Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов
Нөкис қаласы, 7-апрель 2022-жыл № 209/XXVII