АВТОРЛЫҚ ҲУҚЫҚ ҲӘМ ТҮРЛЕС ҲУҚЫҚЛАР ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 29.08.2007-ж. №137/III
АВТОРЛЫҚ ҲУҚЫҚ ҲӘМ ТҮРЛЕС ҲУҚЫҚЛАР ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамы 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы 30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы
I-БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети илим, ǝдебият ҳǝм көркем өнер шығармаларын (авторлық ҳуқық), атқарыўлар, фонограммалар, эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемлердиң көрсетиўлери яки еситтириўлерин (түрлес ҳуқықлар) дөретиў ҳǝм олардан пайдаланыў менен байланыслы пайда болатын қатнасықларды тǝртиплестириўден ибарат. 2-статья. Авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халық аралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халық аралық шǝртнаманың қағыйдалары қолланылады. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: шығарманың нусқасы – шығарманың ҳǝр қандай материаллық түрде таярланған көширмеси; шығарманы көпшилик алдында жарыққа шығарыў – шығарманың түп нусқасын ямаса көширмесин тиккелей яки пленка, диапозитив, телевизиялық кадр жǝрдеминде ямаса қайсы бир басқа да техникалық қураллар арқалы экранда көрсетиў, сондай-ақ, аудиовизуал шығарманың айырым кадрларын олардың избе-излигин сақламастан көпшилик ушын ашық жерде ямаса бир шаңарақ ағзалары болмаған шахслардың кең дөгереги жыйналған орында көрсетиў; шығарманы жǝрия етиў – автордың келисими менен ǝмелге асырылған, шығарманы басып шығарыў, көпшилик алдында жарыққа шығарыў, көпшилик алдында атқарыў, эфирге бериў ямаса басқаша усылда жибериў жолы менен туңғыш мǝрте шығармадан ҳǝммениң хабардар болыўы ушын имканият беретуғын ҳǝрекет; аудиовизуал шығарма – бир-бири менен байланыслы (сес пенен ямаса сессиз) алынған сүўретлердиң жазып алынған дүркиминен ибарат болған, тийисли техникалық қураллар жǝрдеминде көрип ҳǝм еситип (сесли болса) қабыллаў ушын арналған шығарма, соның ишинде дǝслепки ямаса кейинги билдириў усылы қандай болыўына қарамастан кинематография шығармалары ҳǝм кинематографияникине усас қураллар менен билдирилген барлық шығармалар (теле ҳǝм видеофильмлер, диафильмлер, слайд-фильмлер ҳǝм басқа да шығармалар); аудиовизуал шығарманы таярлаўшы – усындай шығарманы таярлаў интасы ҳǝм жуўапкершилигин өз мойнына алған юридикалық ямаса физикалық шахс; ҳǝммениң дыққатына жеткериў – шығармаларды ямаса түрлес ҳуқықлар объектлерин сымлар яки сымсыз байланыс қураллары арқалы телекоммуникация системаларынан пайдаланыўшылар өз таңлаўы бойынша қǝлеген орында ҳǝм қǝлеген ўақытта олардан пайдалана алыўы мүмкин болған тǝризде ҳǝммениң дыққаты ушын жибериў; ҳǝммениң дыққаты ушын жибериў – шығармаларды ямаса түрлес ҳуқықлар объектлерин эфирге бериў, кабель арқалы жибериў, сондай-ақ, оларды жибериў орнында ўǝкиллери болмаған көпшилик еситип ҳǝм (ямаса) көрип қабыллаўы ушын, усы тǝризде еситиў ямаса көриў мүмкин болған шығармалар яки түрлес ҳуқықлар объектлери ҳақыйқатында қабыл етилиўи– етилмеслигине қарамастан, ҳǝр қандай басқаша усылларда жеткериў (нусқаларды тарқатыў буған кирмейди); жазыў – даўыслар ҳǝм (ямаса) көринислерди қайта-қайта қабыллаў, тǝкирарлаў ямаса жибериў мүмкиншилигин беретуғын қайсы бир материаллық түрде техникалық қураллар жǝрдеминде жазыўға түсириў; атқарыў – шығарманы (соның ишинде халық дөретиўшилиги шығармасын) фонограмманы, атқарыўды, сахна шығармасын, ойын, көркем оқыў, қосық айтыў, ойынға түсиў арқалы жанлы атқарыў ямаса техникалық қураллар жǝрдеминде усыныў; атқарыўшы – актер, қосықшы, сазенде, ойыншы ямаса роль атқарыўшы, қосық айтыўшы, оқыўшы, көркем етип оқыўшы, ойынға түсиўши, интерпретация қылыўшы, саз ǝсбабын шертиўши ямаса ǝдебият яки көркем өнер шығармасын (соның ишинде халық дөретиўшилиги шығармасын) басқа бир тǝризде атқарыўшы физикалық шахс, сондай-ақ спектакльди сахналастырыўшы режиссери ҳǝм дирижер; кабель арқалы жибериў – шығармаларды ямаса түрлес ҳуқықлар объектлерин кабель, сым ямаса усыған уқсас қураллар жǝрдеминде ҳǝммениң дыққаты ушын жибериў; декоратив – ǝмелий көркем өнер шығармасы – түп нусқалары ямаса нусқалары ǝмелде пайдаланыў буйымлары сыпатында қолланылатуғын ямаса усындай буйымларға көширилген еки өлшемли ямаса үш өлшемли көркем өнер шығармасы, соның ишинде көркем өнерментшилик шығармасы ямаса санаат усылы менен таярланған шығарма; мағлыўматлар базасы – объектив түрде билдирилген ҳǝм электрон-есаплаў машиналары (буннан былай текстте ЭЕМ деп алынады) жǝрдеминде табыў ҳǝм мүмкин болатуғын тǝризде системаластырылған мағлыўматлар (мақалалар, есап-китаплар ҳǝм усыған уқсаслар) жыйындысы; автор – дөретиўшилик мийнети менен шығарманы дөреткен физикалық шахс; көпшилик алдында атқарыў – шығармаларды ямаса түрлес ҳуқықлар объектлерин атқарыў ямаса мǝлим етиўдиң ҳǝр қандай басқа формасы жǝрдеминде, тиккелей яки техникалық қураллар жǝрдеминде, көпшилик ушын ашық орында ямаса бир шаңарақ ағзалары болмаған шахслардың кең дөгереги жǝмленген орында еситип ҳǝм (ямаса) көрип қабыл етиў ушын жеткериў; прокатқа бериў – шығармалардың түп нусқасын ямаса нусқаларын яки түрлес ҳуқықлар объектлерин дǝрамат алыў мақсетинде ўақытша пайдаланыў ушын бериў; репрографикалық тǝкирарлаў – фото көширмесин алыў жолы менен ямаса басқа да техникалық қураллар жǝрдеминде жазба ҳǝм басқа да шығармалардың түп нусқаларын яки олардың көширмелерин бир ямаса оннан да көп нусқада, ҳǝр қандай өлшемде ҳǝм формада факсимил тǝкирарлаў, сүўретлеў көркем өнер шығармалары репродукцияларын баспахана усылларынан пайдаланып таярлаў жағдайлары буған кирмейди. Репрографикалық тǝкирарлаў усы көширмелерди цифралы түрде сақлаў яки көбейтиўди өз ишине алмайды, репрографикалық тǝкирарлаў ушын пайдаланылатуғын техникалық қураллардың өзине тǝн өзгешеликлери менен байланыслы турақлы көширме нусқалар жаратыў жағдайлары буған кирмейди; ретрансляция – эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши бир шөлкемниң көрсетиў ямаса еситтириўин эфир яки кабель арқалы көрсетиў ямаса еситтириў бериўши басқа шөлкем тǝрепинен бир ўақытта эфирге бериў ямаса кабель арқалы жибериў; тǝкирарлаў – шығармалардың ямаса түрлес ҳуқықлар объектлериниң яки олардан бир бөлегиниң ҳǝр қандай усылда ҳǝм ҳǝр қандай материаллық формада бир ямаса оннан да көп нусқаларын таярлаў, соның ишинде еки өлшемли шығарманың бир ямаса оннан да көп нусқаларын үш өлшемде ҳǝм үш өлшемли шығарманың бир ямаса оннан да көп нусқаларын еки өлшемде таярлаў, ЭЕМ ҳǝм басқа да электрон қурылмалар ядына жазып алыў; фонограмма – қайсы бир атқарыўдың, басқа да сеслердиң ҳǝр қандай тек ғана сесли жазыўы, аудиовизуал шығармаға киргизилген сесли жазыў буған жатпайды; фонограмманың нусқасы – ҳǝр қандай материаллық денедеги, фонограммадан тиккелей ямаса басқаша тǝризде таярланған ҳǝм усы фонограммада жазылған сеслердиң ҳǝммесин яки бир бөлегин өз ишине қамтыған фонограмманың көширмеси; фонограмманы таярлаўшы – атқарыўдың ямаса басқа сеслердиң биринши сесли жазыўы ушын инта ҳǝм жуўапкершиликти өз мойнына алған юридикалық ямаса физикалық шахс; халық дөретиўшилиги шығармалары – анық авторы болмаған ертеклер, қосықлар, аяқ ойынлар, декоратив-ǝмелий көркем өнер шығармалары жǝне көркем ҳǝм ҳǝўескерлик халық дөретиўшилигиниң басқа да нǝтийжелери; жǝриялаў – шығарманың, атқарыў жазыўының ямаса фонограмманың өзгешелигинен келип шығып, көпшиликтиң ақылға уғрас талапларын қанаатландырыў ушын жетерли муғдарда шығарманың, атқарыў жазыўының ямаса фонограмманың нусқаларын шығарма авторының, атқарыўшының ямаса фонограмманы таярлаўшының келисими менен айланысқа шығарыў; эфирге бериў – шығармаларды ямаса түрлес ҳуқықлар объектлерин радио ямаса телевидение, соның ишинде жасалма жолдаслар (кабель телевидениеси буған кирмейди) арқалы бериў жǝрдеминде ҳǝммениң дыққаты ушын жибериў. Шығармаларды ямаса түрлес ҳуқықлар объектлерин жасалма жолдас арқалы эфирге бериў дегенде сигналларды жердеги станциядан жасалма жолдасқа қабыл етиў ҳǝм жасалма жолдастан сигналларды жибериў түсиниледи, олардың жǝрдеминде шығарма ямаса түрлес ҳуқықлар объектлери, оларды көпшилик ǝмелде қабыл етиўи – етпеўине қарамастан, ҳǝммениң дыққатына жеткерилиўи мүмкин; эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў ямаса еситтириў бериўши шөлкем – эфирге бериў ямаса кабель арқалы жибериў ушын инта ҳǝм жуўапкершиликти өз мойнына алған ҳǝм оларды белгиленген тǝртипте ǝмелге асырыўшы шахс; эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң көрсетиўи ямаса еситтириўи – эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң өзи тǝрепинен, сондай-ақ оның буйыртпасы бойынша ҳǝм оның қаржылары есабынан басқа шөлкем тǝрепинен дөретилген көрсетиў ямаса еситтириў; ҳуқық ийеси – авторлық ҳуқыққа қатнаслы автор ямаса оның мийрасхорлары, түрлес ҳуқықларға қатнаслы атқарыўшы ямаса оның мийрасхорлары, фонограмманы таярлаўшы, эфир яки кабель арқалы көрсетиў ямаса еситтириў бериўши шөлкем, сондай-ақ шǝртнамада ямаса усы Нызамда нǝзерде тутылған басқа тийкар бойынша шығармалардан яки түрлес ҳуқықлар объектлеринен пайдаланыў ҳуқықын алған басқа да юридикалық яки физикалық шахслар.II-БАП. АВТОРЛЫҚ ҲУҚЫҚ
4-статья. Авторлық ҳуқықтың ҳǝрекет етиў саласы Усы Нызамға муўапық авторлық ҳуқық: Өзбекстан Республикасы пуқаралары болған ямаса Қарақалпақстан Республикасы аймағында турақлы жасаў орнына ийе болған авторлардың яки авторлық ҳуқықтың басқа да дǝслепки ийелик етиўшилериниң шығармаларына; авторлардың пуқаралығы ҳǝм турақлы жасаў орнына қарамастан,Өзбекстан Республикасы ҳǝм Қарақалпақстан Республикасында биринши мǝрте жǝрияланған шығармаларға; Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамаларына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында қорғалатуғын шығармаларға таралады. Егер шығарма Өзбекстан Республикасы аймағынан тысқарыда биринши мǝрте жǝрияланған сǝнеден соң отыз күн ишинде Қарақалпақстан Республикасы аймағында жǝрияланған болса, Қарақалпақстан Республикасында да биринши мǝрте жǝрияланған деп есапланады. Өзбекстан Республикасының халық аралық шǝртнамаларына муўапық, шығармаға Қарақалпақстан Республикасы аймағында қорғаў берилген жағдайда, егер автор авторлық ҳуқықын алыў ушын тийкар болып хызмет еткен юридикалық факт қайсы мǝмлекеттиң аймағында жүзеге келген болса, усы мǝмлекеттиң нызамы менен анықланады.
5-статья. Авторлық ҳуқық объекти Авторлық ҳуқық дөретиўшилик жумыс нǝтийжеси болған илим, ǝдебият ҳǝм көркем-өнер шығармаларына қатнаслы, олардың мақсети ҳǝм қǝдир қымбатына, сондай-ақ билдириў усылына қарамастан таралады. Авторлық ҳуқық төмендеги, қайсы бир объективлик формада, жǝрияланған, сондай-ақ, жǝрияланбаған шығармаларға да таралады: жазба (қолжазба, машинкаланған жазыў, ноталы жазыў ҳǝм тағы басқалар; аўызеки (көпшилик алдында сөйлеў, көпшилик алдында атқарыў ҳǝм тағы басқалар); сесли ямаса видео жазыў (механикалық, магнитли, цифралы, оптикалық ҳǝм тағы басқалар); сүўретлеў (сүўрет, эскиз, картина, жоба, сызылма, кино-теле, видео, ямаса фотокадр ҳǝм тағы басқалар); көлемли-кеңислик (скульптура, модель, макет, қурылма ҳ.т.б.); басқа формаларда. Авторлық ҳуқық идеялар, принциплер, методлар, процесслер, системалар, усыллар ямаса концепцияларға емес, ал тǝрийплеў формасына таралады. 6-статья. Авторлық ҳуқық объектлери болған шығармалар Төмендегилер авторлық ҳуқық объектлери болып табылады: ǝдебий шығармалар (ǝдебий-көркем, илимий, оқыў, публицистикалық ҳǝм басқа да шығармалар); драма ҳǝм сценарий шығармалары; текстли ямаса текстсиз музыкалы шығармалар; сазлы драмалық шығармалар; хореография шығармалары ҳǝм пантомималар; аудиовизуал шығармалар; реңли сүўретлеў, скульптура, графика, дизайн шығармалары ҳǝм басқа да сүўретлеў көркем өнери шығармалары; декоратив – ǝмелий ҳǝм сахна безеўи өнери шығармалары; архитектура, қала қурылысы ҳǝм бағ-парк дөретиў көркем өнери шығармалары; фотография шығармалары ҳǝм фотографияға уқсас усылларда дөретилген шығармалар; география, геология карталары ҳǝм басқа да карталар, география, топография ҳǝм басқа да пǝнлерге тийисли жобалар, эскизлер ҳǝм шығармалар; барлық түрдеги ЭЕМ ушын бағдарламалар, соның ишинде ҳǝр қандай бағдарлама дүзиў тилинде ҳǝм ҳǝр қандай формада, соның ишинде басланғыш текст ҳǝм объект кодында тǝрийплениўи мүмкин болған ǝмелий бағдарламалар ҳǝм операция системалары; усы Нызамның 5-статьясында белгиленген талапларға жуўап беретуғын басқа да шығармалар. 7-статья. Авторлық ҳуқықы объектлери болып есапланатуғын шығарманың бөлеклери, дөренди ҳǝм топлам шығармалар Усы Нызамның 5-статьясында белгиленген талапларға жуўап беретуғын: шығарманың өз алдына пайдаланылыўы мүмкин болған бөлеклери (соның ишинде оның атамасы); дөренди шығармалар (аўдармалар, қайта исленген шығармалар, аннотациялар, рефератлар, жуўмақлар, шолыўлар, инсценировкалар, аранжировкалар, ǝпиўайыластырылған ҳǝм илимий, ǝдебий жǝне көркем өнер шығармаларының басқа да қайта исленген түрлери); топламлар (энциклопедиялар, антологиялар, мағлыўматлар базалары) ҳǝм материаллардың таңланыўы ямаса жайластырылыўына қарай дөретиўшилик мийнет нǝтийжеси болған басқа да жǝмленген шығармалар авторлық ҳуқық объектлери болып есапланады. Дөренди ҳǝм топланған шығармалар, олардың жаратылыўы ушын тийкар болған ямаса олардың қурамына кирген шығармалар авторлық ҳуқық объектлери болыўы ямаса болмаўына қарамастан, авторлық ҳуқық пенен қорғалады. 8-статья. Авторлық ҳуқық объектлери болып есапланбайтуғын материаллар Төмендегилер авторлық ҳуқық объектлери болмайды: рǝсмий ҳүжжетлер (нызамлар, қарарлар, шешимлер ҳǝм усыған уқсаслар) сондай-ақ олардың рǝсмий аўдармалары; рǝсмий нышанлар ҳǝм белгилер (байрақлар, герблер, орденлер, ақша белгилери ҳǝм т.б.); халық дөретиўшилиги шығармалары; ǝпиўайы баспасөз мағлыўматы түриндеги күнделикли жаңалықларға байланыслы ямаса ағымдағы ўақыялар ҳаққындағы хабарлар; адамның тиккелей индивидуал шығарма дөретиўге қаратылған дөретиўшилик жумысы қатнасығысыз, белгили бир түрдеги өндирис ушын арналған техникалық қураллар жǝрдеминде алынған нǝтийжелер. 9-статья. Рǝсмий ҳүжжетлер, нышанлар ҳǝм белгилердиң жойбарларына болған ҳуқықлар Рǝсмий ҳүжжет, нышан ямаса белгиниң жойбарына болған авторлық ҳуқық жойбарды дөреткен (ислеп шыққан) шахсқа тийисли болады. Рǝсмий ҳүжжет, нышан ямаса белгиниң жойбарын ислеп шыққан шахс, егер бундай жойбарды ислеп шығыў ҳаққында тапсырма берген уйым тǝрепинен қадаған етилген болмаса, өзи дөреткен жойбарды жǝриялаў ҳуқықына ийе. Жойбарды жǝриялаўда оны ислеп шыққан шахс өзиниң атын, фамилиясын көрсетиўге ҳақлы. Ўǝкилликли уйым рǝсмий ҳүжжет таярлаў ушын рǝсмий ҳүжжет, нышан ямаса белгиниң жойбарынан, егер жойбар оны ислеп шыққан шахс тǝрепинен жǝрияланған ямаса тийисли уйымға жиберилген болса, усы шахстың келисимисиз пайдаланыўы мүмкин. Жойбар тийкарында рǝсмий ҳүжжет, нышан ямаса белги таярлаў пайтында рǝсмий ҳүжжет, нышан ямаса белгини таярлап атырған уйымның қǝлеўи бойынша жойбарға өзгерислер ҳǝм қосымшалар киргизилиўи мүмкин. Ўǝкилликли уйым жойбар тийкарындағы рǝсмий ҳүжжет, нышан ямаса белгини қабыл еткеннен (тастыйықлағаннан) кейин усы рǝсмий ҳүжжет, нышан ямаса белгиден жойбарды ислеп шыққан шахстың аты, фамилиясын көрсетпеген ҳалда пайдаланылады. 10-статья. Авторлық ҳуқықтың жүзеге келиўи. Авторлық презумпциясы Илим, ǝдебият ҳǝм көркем өнер шығармасына авторлық ҳуқық оны дөретиў факты бойынша жүзеге келеди. Авторлық ҳуқықтың жүзеге келиўи ҳǝм ǝмелге асырылыўы ушын шығарманы дизимнен өткериў ямаса қандай да бир басқа рǝсмийшиликке бойсыныў талап етилмейди. Шығарманың түп нусқасында ямаса нусқасында автор сыпатында көрсетилген шахс, егер басқаша жағдай дǝлийлленбеген болса, шығарманың авторы болып есапланады. Шығарма аты көрсетилмей ямаса лақап пенен жǝрияланған жағдайда (автордың лақабы оның ким екенлигине гүман қалдырмайтуғын жағдайлар буған кирмейди), шығарманы жǝриялаған, шығармада аты-фамилиясы ямаса атамасы көрсетилген басып шығарыўшы, егер басқа дǝлийллер болмаса, автордың ўǝкили болып есапланады ҳǝм автордың ҳуқықларын қорғаў жǝне олардың ǝмелге асырыўды тǝмийинлеў ҳуқықына ийе. Бул қағыйда бундай шығарманың авторы өз шахсын жǝриялағанға шекем ҳǝм өзиниң автор екенлигин мǝлим еткенге шекем ҳǝрекетте болады. 11-статья. Авторлық ҳуқықтың қорғаў белгилери Айрықша авторлық ҳуқықлар ийеси өз ҳуқықларынан хабардар етиў ушын авторлық ҳуқықтың қорғаў белгисинен пайдаланыўы мүмкин болып, бул белги шығарманың ҳǝр бир нусқасына қойылады ҳǝм төмендеги үш элементтен ибарат болады: айлана ишиндеги латынша «С» ҳǝриби; айрықша авторлық ҳуқықлар ийесиниң аты-фамилиясы (атамасы); шығарма биринши мǝрте жǝрияланған жыл. Авторлық ҳуқықтың қорғаў белгисинде көрсетилген шахс, егер басқаша жағдай дǝлийлленген болмаса, айрықша авторлық ҳуқықлар ийеси болып есапланады. 12-статья. Биргеликтеги авторлық Еки ямаса оннан да артық физикалық шахслардың биргеликтеги дөретиўшилик мийнети нǝтийжесинде жаратылған шығармаға болған авторлық ҳуқық, усы шығарма бөлинбейтуғын бир тутас ямаса ҳǝр бири де өз алдына мазмунға ийе бөлимлерден ибарат болыўына қарамастан, биргеликтеги авторларға биргеликте тийисли болады. Егер шығарманың белгили бир бөлегинен оның басқа бөлеклерине байланыслы болмаған ҳалда пайдаланыў мүмкин болса, ол өзи алдына мазмунға ийе болған бөлим деп тǝн алынады. Биргеликтеги авторлардың ҳǝр бири, егер олардың арасындағы келисимде басқаша қағыйда нǝзерде тутылған болмаса, шығарманың өзи дөреткен, өз алдына мазмунға ийе болған бөлегинен өз қǝлегенинше пайдаланыўға ҳақылы. Биргеликтеги авторлар арасындағы қатнасықлар, ǝдетте, келисим тийкарында белгиленеди. Бундай келисим болмаған жағдайда шығармаға болған авторлық ҳуқық барлық авторлар тǝрепинен биргеликте ǝмелге асырылады, ал авторлық ҳақы олардың арасында тең бөлистириледи. Егер биргеликтеги авторлардың шығармасы бөлинбейтуғын бир тутас болса, шығармадан пайдаланыўды жетерли тийкарлар болмастан қадаған етиўге биргеликтеги авторлардан ҳеш бири ҳақылы емес. 13-статья. Дөренди шығармаға болған авторлық ҳуқық Дөренди шығарма авторына илим, ǝдебият ҳǝм көркем өнер шығармасының усы автор тǝрепинен ǝмелге асырылған қайта ислеўге болған авторлық ҳуқықы тийисли болып табылады. Дөренди шығарманың авторы қайта исленген шығарманың авторының ҳуқықларын мойынлаған жағдайда, өзи дөреткен шығармаға авторлық ҳуқықынан пайдаланады. Дөренди шығарма авторының авторлық ҳуқықы қайта ислеўге тийкар болған шығарманы басқа шахслар да өзлери қайта ислеўине тосқынлық ете алмайды. 14-статья. Жыйынды шығармаға болған авторлық ҳуқық Жыйынды шығарманың авторына (дүзиўшисине) дөретиўшилик мийнет нǝтийжеси болған, усы автор тǝрепинен ǝмелге асырылған, материалларды таңлап алыў ямаса жайластырыўға болған авторлық ҳуқықы тийисли. Дүзиўши жыйынды шығармаға киргизилген шығармалардан ҳǝр бириниң авторының ҳуқықларын тǝн алған ҳǝм сақлаған жағдайда, авторлық ҳуқықтан пайдаланады. Егер авторлық шǝртнамасында басқаша қағыйда нǝзерде тутылған болмаса, жыйынды шығармаға киргизилген шығармалардың авторлары өз шығармаларынан пайдаланыўға болған толық ҳуқықларын жыйынды шығармадан байланыссыз сақлап қалады. Дүзиўшиниң авторлық ҳуқықы басқа шахслардың өз жыйынды шығармаларын дөретиў ушын усы материалларды ғǝрезсиз рǝўиште таңлап алыўына ямаса жайластырыўына тосқынлық ете алмайды. 15-статья. Аудиовизуал шығармаға болған авторлық ҳуқық Аудиовизуал шығарманың авторы (биргеликтеги авторлары) төмендегилерден ибарат: сахналастырыўшы режиссер; сценарий авторы; белгили бир аудиовизуал шығарма ушын арнап дөретилген текстли ямаса текстсиз музыкалы шығарманың авторы; сахналастырыўшы оператор; сахналастырыўшы художник. Атамасы ямаса аты-фамилиясы таярлаўшы сыпатында шығарманың түп нусқасында ямаса нусқасында көрсетилген юридикалық яки физикалық шахс, егер басқаша жағдай дǝлийлленген болмаса, усы аудиовизуал шығарманы таярлаўшы деп тǝн алынады. Аудиовизуал шығарма көпшилик алдында атқарылған жағдайда, сазлы шығарма (текстли ямаса текстсиз) авторы өз сазлы шығармасының көпшилик алдында атқарылғанлығы ушын ҳақы алыў ҳуқықын сақлап қалады. 16-статья. Интервью авторлары Интервьюге болған авторлық ҳуқық интервью берген шахсқа ҳǝм интервьюди алған шахсқа, егер олардың арасындағы келисимде басқаша қағыйда нǝзерде тутылған болмаса, биргеликтеги авторлар сыпатында тийисли болады. Интервьюдан пайдаланыўға тек ғана интервью берген шахстың келисими менен жол қойылады. 17-статья. Шығармалардың дөретилиўин шөлкемлестириўши шахслардың ҳуқықлары Шығармалардың дөретилиўин шөлкемлестириўши шахслар (аудиовизуал шығармаларды таярлаўшылар, энциклопедияларды басып шығарыўшылар, продюсерлар ҳ.т.б.) тийисли шығармалардың авторлары деп тǝн алынбайды. Бирақ усы Нызамда ямаса басқа да нызамларда нǝзерде тутылған жағдайларда, бундай шахслар усындай шығармалардан пайдаланыўда айрықша ҳуқықларға ийе болады. Аудиовизуал шығарманы таярлаўшы, бул шығармадан пайдаланылғанда, өз аты-фамилиясын ямаса атамасын көрсетиўге яки аты-фамилиясы ямаса атамасы көрсетилиўин талап етиўге ҳуқықлы. Энциклопедиялардан, энциклопедиялық сөзликлерден, илимий жумыслардың дǝўирли ҳǝм даўамлы топламларынан, газеталар, журналлар ҳǝм басқа да дǝўирли басылымлардан пайдаланыўға болған айрықша ҳуқықлар оларды басып шығарыўшыға тийисли. Бундай басылымлардан ҳǝр қандай тǝризде пайдаланылғанда басып шығарыўшы өз аты-фамилиясын ямаса атамасын көрсетиўге яки аты-фамилиясы ямаса атамасы көрсетилиўин талап етиўге ҳуқықлы. 18-статья. Автордың жеке мүлклик емес ҳуқықлары Шығарманың авторына төмендеги жеке мүлклик емес ҳуқықлар тийисли: шығарманың авторы деп мойынланыў ҳуқықы (авторлық ҳуқықы); шығармадан автордың ҳақықый аты-фамилиясын, лақабын көрсеткен ҳалда ямаса аты-фамилиясын көрсетпестен яғный аты көрсетилмей пайдаланыў ямаса пайдаланыўға рухсат бериў ҳуқықы (авторлық аты-фамилиясына болған ҳуқық); шығарманы ҳǝр қандай формада жǝриялаў ямаса жǝриялаўға рухсат бериў ҳуқықы (жǝриялаўға болған ҳуқық), соның ишинде қайтарып алыў ҳуқықы; шығарманы, соның ишинде оның атамасын автордың намысы ҳǝм абыройына зыян келтириў мүмкин болған ҳǝр қандай тǝризде бузып көрсетилиўине ямаса ҳǝр қандай басқа да усындай ҳǝрекетлерден қорғаў ҳуқықы (автордың абыройын қорғаў ҳуқықы). Автор шығарманы жǝриялаў ҳаққында алдын қабыл еткен шешиминен шығармадан пайдаланыў ҳуқықын алған шахсларға олар усындай шешимниң себебинен көрген зǝлелдиң орнын, соның ишинде қолдан берилген пайданы өтеў шǝрти менен, бас тартыў ҳуқықына (шығарманы шақырып алыў ҳуқықына) ийе. Егер шығарма жǝрияланған болса, автор оны шақырып алғанлығы ҳаққында көпшиликке мǝлим етиўи шǝрт. Бунда ол шығарманың бурын таярланған нусқалардың өз есабынан айланыстан алып қойыўға ҳуқықлы. Егер автор менен дүзилген шǝртнамада басқаша қағыйда нǝзерде тутылған болмаса, бул қағыйдалар хызмет шығармаларына қолланылмайды. Шығарманы жǝриялаў, көпшилик алдында атқарыў ямаса оннан басқаша тǝризде пайдаланыўда шығарманың өзине, атамасына ҳǝм автордың аты-фамилиясы көрсетилиўине қандай да бир өзгерис киргизиўге тек ғана автордың келисими менен жол қойылады. Автордың келисимисиз оның шығармасын иллюстрациялар, сөз басы, соңғы сөз, шолыўлар ямаса қандай да бир түсиндирмелер менен басып шығарыў қадаған етиледи. Автордың жеке мүлклик емес ҳуқықлары, оның мүлклик ҳуқықларына қарамастан, оған тийисли болып, шығармадан пайдаланыўға болған айрықша ҳуқықлар басқа шахсқа өткерилген жағдайда да оның өзинде сақланып қалады. Автордың өз жеке мүлклик емес ҳуқықларын ǝмелге асырыўдан бас тартыў ҳаққында қайсы бир шахс пенен келисими ҳǝм бул ҳаққындағы арзасы өз-өзинен ҳақықый емес. 19-статья. Автордың мүлклик ҳуқықлары Автор шығармадан ҳǝр қандай формада ҳǝм ҳǝр қандай усылда пайдаланыўда айрықша ҳуқықларға ийе. Юридикалық ҳǝм физикалық шахслар, усы Нызамда көрсетилгеннен тысқары жағдайларда, шығармадан тек ғана ҳуқық ийеси ямаса басқа ўǝкилликли шахс пенен дүзилген шǝртнамаға муўапық, соның ишинде мүлклик ҳуқықларды жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемлер менен дүзилген шǝртнамаға муўапық ямаса олар болмаған жағдайда, бул шөлкемлердиң ўазыйпалары ҳǝм миннетлемелерин орынлаўшы шөлкем менен дүзилген шǝртнамаға муўапық пайдаланыўы мүмкин. Автордың шығармадан пайдаланыўға болған айрықша ҳуқықлары төмендеги ҳǝрекетлерди ǝмелге асырыў ямаса бундай ҳǝрекетлерге рухсат бериў ҳуқықын аңлатады: шығарманы тǝкирарлаў (тǝкирарлаў ҳуқықы); шығарманың түп нусқасын ямаса нусқаларын сатыў яки меншик ҳуқықын басқаша тǝризде басқа бир шахсқа өткериў жолы менен тарқатыў (тарқатыў ҳуқықы); шығарманы ҳǝммениң дыққатына жеткериў (ҳǝммениң дыққатына жеткериў ҳуқықы); шығарманың түп нусқасын ямаса нусқаларын прокатқа бериў (прокатқа бериў ҳуқықы); тарқатыў мақсетинде шығарманың нусқаларын, соның ишинде толық авторлық ҳуқықлары ийесиниң рухсаты менен таярланған нусқаларын импорт етиў (импорт етиў ҳуқықы); шығарманы сым (кабель) арқалы ямаса басқа да усыған уқсас қураллар жǝрдеминде бериў жолы менен ҳǝммениң дыққаты ушын жибериў (кабель арқалы жибериў ҳуқықы); шығармаға дүзетиўлер киргизиў, оны аранжировкалаў ямаса басқаша тǝризде қайта ислеў (қайта ислеў ҳуқықы); шығарманы көпшилик алдында көрсетиў (көпшилик алдында көрсетиў ҳуқықы); шығарманы көпшилик алдында атқарыў (көпшилик алдында атқарыў ҳуқықы); шығарманы сымсыз қураллар жǝрдеминде бериў жолы менен ҳǝммениң дыққаты ушын жибериў (эфирге узатыў ҳуқықы); шығарманы аўдарыў (аўдарыў ҳуқықы); шығарманы ҳǝммениң дыққатына тǝкирарлап жибериў, егер бундай жибериў дǝслепки жибериўди ǝмелге асырған шөлкемнен басқа шөлкем тǝрепинен ǝмелге асырылса (ҳǝммениң дыққатына тǝкирарлап жибериў ҳуқықы). Автор өз шығармасынан пайдаланыўдың ҳǝр бир түри ушын ҳақы алыў ҳуқықына (ҳақы алыў ҳуқықы) ийе. Егер жǝрияланған шығарманың нусқалары оларды сатыў ямаса меншик ҳуқықын басқаша тǝризде басқа шахсқа өткериў арқалы пуқаралық айланысқа нызамлы киргизилген болса, оларды келешекте автордың келисимисиз ҳǝм оған ҳақы төлеместен тарқатыўға жол қойылады, усы Нызамның 23-статьясының үшинши бөлиминде нǝзерде тутылған жағдай буған кирмейди. Шығармадан дǝрамат алыў мақсетинде пайдаланылғанлығы ямаса оннан пайдаланыў бундай мақсетке қаратылмағанлығына қарамастан, шығармадан пайдаланылған деп есапланады. Шығарманың мазмунын қураўшы режелерди (ойлап табыўларды, басқа да техникалық, экономикалық, шөлкемлестириўшилик ҳǝм усыған уқсас шешимлерди) ǝмелий қолланыў шығармадан авторлық ҳуқық мǝнисинде пайдаланыў деп есапланбайды. 20-статья. Автордың айырым мүлклик ҳуқықларының өзине тǝн өзгешеликлери Автордың шығарманы аўдарыўға ҳǝм қайта ислеўге болған айрықша ҳуқықлары аўдарылған ямаса қайта исленген шығармаға байланыслы усы Нызамның 19-статьясының үшинши бөлиминде нǝзерде тутылған ҳǝрекетлерди ǝмелге асырыў ямаса бундай ҳǝрекетлерге рухсат бериў ҳуқықын өз ишине алады. Автордың дизайнерлик, архитектуралық, қала қурылысы ҳǝм бағ-парк дөретиў жойбарларынан пайдаланыўға болған айрықша ҳуқықлары бундай жойбарларды ҳақыйқатта ǝмелге асырыўды да өз ишине алады. Қабыл етилген архитектуралық жойбардың авторы, егер шǝртнамада басқаша қағыйда нǝзерде тутылған болмаса, буйыртпашыдан қурылысқа байланыслы ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳǝм имарат ямаса қурылманы қурыўда өз жойбарын ǝмелге асырыўда қатнасыў ҳуқықын бериўди талап етиўге ҳуқықлы. 21-статья. Прокатқа бериў ҳуқықы Аудиовизуал шығармалар, ЭЕМ ушын бағдарламалар, фонограммаға жазылған шығармалардың авторлары шығарманың түп нусқасын ямаса нусқасын прокатқа бериўге рухсат етиўде айрықша ҳуқыққа ийе. Егер усындай прокат бул шығармаларды тǝкирарлаўға болған айрықша ҳуқыққа айтарлықтай зыян келтиретуғын кең көлемли тǝкирарлаўға алып келмесе, сондай-ақ, ЭЕМ ушын бағдарламаларға байланыслы, егер ЭЕМ бағдарламаның өзи прокаттың тийкарғы объекти болмаса, усы бөлимниң режелери аудиовизуал шығармаларға қолланылмайды. Фонограмма ямаса аудиовизуал шығарманың нусқаларын прокатқа бериўде фонограмма ямаса аудиовизуал шығарманы прокатқа бериў ҳуқықы фонограмманы таярлаўшыға ямаса аудиовизуал шығарманы прокатқа бериў ҳуқықы фонограмманы таярлаўшыға ямаса аудиовизуал шығарманы таярлаўшыға өткерилгенлигине қарамастан автор фонограмма ямаса аудиовизуал шығарманың нусқаларының прокаты ушын ҳақы алыў ҳуқықын сақлап қалады. Усы ҳақының ең кем муғдары, оны төлеў шǝртлери ҳǝм тǝртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тǝрепинен белгиленеди. 22-статья. Шығармаларды сақлаў ушын тапсырыў Егер шығарма сақлаў ушын ҳǝр кимниң пайдаланыўы мүмкин болған сақлаў орнына (депозитарийге) тапсырылған болса ҳǝм депозитарий менен дүзилген шǝртнамаға муўапық усы депозитарийге мүрǝжат ететуғын ҳǝр қандай шахстың шығарманың нусқасын алыўы мүмкин болса, шығармадан бул тǝризде пайдаланыў шығармалардың қолжазбаларын, ҳǝр қандай материаллық түрдеги басқа да шығармаларды сақлаў ушын тапсырыў деп тǝн алынады. Шығарманы сақлаў ушын тапсырыў айрықша авторлық ҳуқық ийесиниң депозитарий менен дүзилген, шығармадан пайдаланыў шǝртлерин белгилеўши шǝртнама тийкарында ǝмелге асырылады. Бундай шǝртнама ҳǝм депозитарийдиң пайдаланыўшы менен дүзген шǝртнамасы ғалаба шǝртнама болып есапланады. 23-статья. Сүўретлеў көркем өнери шығармаларынан пайдаланыў ҳуқықы. Даўамлы ҳуқық (ҚР 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Сүўретлеў көркем өнери шығармасының авторы шығарманың меншик ийесинен өз шығармаларын тǝкирарлаў ҳуқықын (пайдаланыў ҳуқықын) ǝмелге асырыў имканиятын бериўди талап етиўге ҳуқықлы. Бунда шығарманың меншик ийесинен шығарманы авторға жеткерип бериўди талап етиў мүмкин емес. Сүўретлеў көркем өнери шығармасына болған меншик ҳуқықының автордан басқа шахсқа (ҳақы төленип ямаса тегин) өтиўи бул шығарманың дǝслепки сатылыўын билдиреди. Сүўретлеў көркем өнери шығармасын алдынғы баҳасынан кеминде жигирма процент жоқары баҳа бойынша жǝриялы қайта сатыўдың (ким зыят саўдасы, сүўретлеў көркем өнери галереясы, көркемлик салон, дүкан ҳǝм т.б. арқалы) ҳǝр бир жағдайында автор сатыўшыдан қайта сатыў баҳасының бес проценти муғдарында ҳақы алыў ҳуқықына ийе (даўамлы ҳуқық). Бул ҳуқық басқа шахсқа өткерилмейди ҳǝм тек ғана автордың нызам бойынша мийрасхорларына авторлық ҳуқықтың ҳǝрекет етиў мүддетине өтеди. 24-статья. Авторлық ҳуқықлардың шеклениўи Автор ҳǝм басқа шахслардың шығармадан пайдаланыў барысындағы айрықша ҳуқықларын шеклеўге усы Нызамның 25-33-статьяларында ямаса басқа нызамларда нǝзерде тутылған жағдайларда ғана жол қойылады. Усы шеклеўлер шығармадан нормал пайдаланылыўына орынсыз зыян келтирмеў ҳǝм автордың нызамлы мǝплерин тийкарсыз кемситпеў шǝрти менен ғана қолланылады. 25-статья. Шығармаларды автордың келисимисиз ҳǝм ҳақы төлеместен жеке мақсетлерде тǝкирарлаў Жǝрияланған шығарманы жеке мақсетлерде автордың ямаса басқа ҳуқық ийесиниң келисимисиз ҳǝм ҳақы төлемеген ҳалда тǝкирарлаўға жол қойылады, усы Нызамның 33-статьясында нǝзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. Усы статьяның биринши бөлиминиң қағыйдалары: имаратлар ҳǝм қурылмалар түриндеги архитектуралық шығармаларды тǝкирарлаўға; мағлыўматлар базаларын ямаса олардың ǝҳмийетли бөлеклерин тǝкирарлаўға; нызамда нǝзерде тутылған жағдайларды есапқа алмағанда, ЭЕМ ушын бағдарламаларды тǝкирарлаўға; китапларды (толық) ҳǝм ноталы текстлерди репрографиялық тǝкирарлаўға байланыслы қолланылмайды. 26-статья. Шығармалардан автордың аты-фамилиясын көрсетип, еркин пайдаланыў Шығармадан автордың аты-фамилиясын ҳǝм алынған деректи ǝлбетте көрсеткен ҳалда жǝне шығармадан нормал пайдаланыўына зыян келтирмеў ҳǝм автордың нызамлы мǝплерин кемситпеў шǝрти менен төмендеги тǝризде еркин пайдаланыўға жол қойылады: жарияланған шығармалардан түп нусқада ҳǝм аўдармада илимий, изертлеў, полемика, сын ҳǝм реклама менен байланыслы болмаған мǝлимлеме мақсетлеринде гөзленген мақсетке сǝйкес көлемде цитата алыў, соның ишинде газета ҳǝм журналлардағы мақалалардан үзиндилерди баспасөз шолыўлары түринде тǝкирарлаў; жǝрияланған шығармалардан ямаса бундай шығармалардың үзиндилеринен билимлендириў ҳǝм оқыў түриндеги басылымларда, радиоеситтириў ҳǝм телекөрсетиўлерде, сесли ҳǝм видео жазыўларда гөзленген мақсетке сǝйкес көлемде мысал сыпатында пайдаланыў; күнделикли сиясий, экономикалық, социаллық ҳǝм диний мǝселелер бойынша газета ҳǝм журналларда басылған мақалалар ямаса эфирге берилген яки кабель арқалы жиберилген усы түрдеги шығармаларды газеталарда тǝкирарлаў, эфирге бериў ямаса кабель арқалы жибериў, усындай пайдаланыў автор тǝрепинен қадаған етилген жағдайлар буған кирмейди; көпшилик алдында шығып сөйленген сиясий баянатлар, мүрǝжатлар, билдириўлер ҳǝм усыған уқсас шығармаларды гөзленген мақсетлерге сǝйкес көлемде газеталарда тǝкирарлаў, эфирге бериў ямаса кабель арқалы жибериў. Бунда усындай шығармаларды топламларда жǝриялаў ҳуқықы авторда сақланып қалады; күнделикли ўақыялар процессинде көриў ямаса еситиў мүмкин болған шығармаларды усындай ўақыялардың шолыўларында фотография ямаса кинемотография қураллары жǝрдеминде эфирге узатыў ямаса кабель арқалы жибериў жолы менен мǝлимлеме мақсетине сǝйкес көлемде тǝкрарлаў ямаса ҳǝммениң дыққаты ушын жибериў. Бунда усындай шығармаларды топламларда жǝриялаў ҳуқықы авторда сақланып қалады; дǝрамат алыўды гөзлемеген ҳалда көзи ǝззилер ушын рельефли – точкалы ҳǝриплер яки басқа усыллар менен жǝрияланған шығармаларды тǝкирарлаў, усындай тǝкирарлаў усыллары ушын арнаўлы дөретилген шығармалар буған кирмейди. Пуқаралық айланысқа нызамлы тǝризде киргизилген шығармалардың нусқаларын мǝлимлеме-китапхана мǝкемелери тǝрепинен ўақытша пайдаланыўға автордың яки басқа да ҳуқық ийесиниң келисимисиз ҳǝм ҳақы төлемеген ҳалда бериўге жол қойылады. Бунда авторлық ҳуқықы объектлери болған, цифралы түрде билдирилген шығармалардың нусқалары, соның ишинде мǝлимлеме-китапхана мǝкемелериниң ресурсларынан өз-ара пайдаланыў тǝртибинде берилетуғын шығармалардың нусқалары бул шығармалардың цифралы түрдеги көширме нусқаларын дөретиў имканиятына жол қоймаў шǝрти менен тек ғана мǝлимлеме-китапхана мǝкемелерин имаратларында ўақытша пайланыўға берилиўи мүмкин. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киритилген) 27-статья. Шығармалардан репрографиялық тǝкирарлаў жолы менен пайдаланыў Дǝрамат алыўды гөзлемеген ҳалда, автордың ямаса басқа да ҳуқық ийесиниң келисимисиз ҳǝм ҳақы төлемеген халда, лекин шығармадан пайдаланылып атырған автордың аты-фамилиясын ҳǝм алынған дерегин ǝлбетте көрсеткен тǝризде: мǝлимлеме-китапхана мǝкемелери, архивлер ҳǝм ведомстволық архивлер тǝрепинен – шығарманың жоғалған ямаса жарамсыз болып қалған нусқаларын тиклеў, алмастырыў ушын, сондай-ақ өз қорларынан бул шығармаларды қандай да бир себеп пенен жоғалтқан басқа мǝлимлеме-китапхана мǝкемелерине, архивлерге ҳǝм ведомстволық архивлерге шығармалардың нусқаларын бериў ушын жǝрияланған шығарманы; мǝлимлеме-китапхана мǝкемелери, архивлер ҳǝм ведомстволық архивлер тǝрепинен пуқаралардың оқыў ҳǝм изертлеў мақсетлериндеги сораўлары бойынша, сондай-ақ билимлендириў мǝкемелери тǝрепинен аудитория шынығыўлары ушын топламларда, газеталар ҳǝм басқа да дǝўирли басылымларда басылған айырым мақалалар ҳǝм киши көлемли шығармаларды, басылған жазба шығармалардан (сүўретли ямаса сүўретсиз) қысқа үзиндилерди бир нусқада репрографиялық тǝкирарлаўға жол қойылады. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 28-статья. Ҳǝмме еркин бара алатуғын орынларда турақлы жайласқан шығармалардан еркин пайдаланыў Ҳǝмме еркин бара алатуғын орынларда турақлы жайласқан архитектуралық, фотография, сүўретлеў көркем өнери шығармаларын автордың ямаса басқа да хуқық ийесиниң келисимисиз ҳǝм ҳақы төлемеген ҳалда тǝкирарлаў, эфирге бериў ямаса кабель арқалы жибериўге жол қойылады. Бул қағыйда шығарманың көриниси усындай тǝкирарлаў, эфирге бериў ямаса кабель арқалы жибериўдиң тийкарғы объекти болған жағдайларға, сондай-ақ шығарманың көринисинен коммерциялық мақсетлерде пайдаланылатуғын жағдайларға байланыслы қолланылмайды. 29-статья. Шығармаларды көпшилик алдында еркин атқарыў Жǝрияланған музыкалы шығармаларды рǝсмий, диний ҳǝм жерлеў мǝресимлеринде бундай мǝресимлердиң өзгешелигине сǝйкес көлемде автордың ямаса басқа да ҳуқық ийесиниң келисимисиз ҳǝм ҳақы төлеместен көпшилик алдында атқарыўға жол қойылады. 30-статья. Шығармалардан тергеўге шекем тексериў, сорастырыў, дǝслепки тергеў, ҳǝкимшилик ҳǝм судлаў жумысларын жүргизиў мақсетлери ушын пайдаланыў (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Шығармалардан тергеўге шекем тексериў, сорастырыў, дǝслепки тергеў, ҳǝкимшилик ҳǝм судлаў жумысларын жүргизиў мақсетлерин гөзлеп, пайдаланыў мақсетине сǝйкес көлемде автордың ямаса басқа да ҳуқық ийесиниң келисимисиз ҳǝм ҳақы төлеместен пайдаланыўға жол қойылады. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 31-статья. Эфир арқалы көрсетиў ямаса еситтириў бериўши шөлкемлер тǝрепинен қысқа мүддет пайдаланыў ушын еркин жазып алыў Эфир арқалы көрсетиў ямаса еситтириў бериўши шөлкем өзи эфирге узатыў ҳуқықын алған шығарманы автордың келисимисиз ҳǝм қосымша ҳақы төлемеген ҳалда өз үскенелери жǝрдеминде ҳǝм өз көрсетиўлери ямаса еситтириўлери ушын ǝмелге асырыў шǝрти менен қысқа мүддет пайдаланыў ушын жазып алыўы мүмкин. Егер бундай жазыўды сақлаўдың узағырақ мүддети автор менен келисилген болмаса, шөлкем оны таярланғанынан соң алты ай ишинде жоқ етип жибериўи шǝрт. Егер бундай жазыў тек ғана ҳүжжетли түрде болса, жазыў шығарма авторының келисимисиз архивлерде ҳǝм ведомстволық архивлерде сақланыўы мүмкин. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 32-статья. ЭЕМ ушын бағдарламалар ямаса мағлыўматлар базаларын еркин тǝкирарлаў ҳǝм ǝпиўайыластырыў ЭЕМ ушын бағдарламаның ямаса мағлыўматлар базасының нусқасына нызамлы ийе болған шахстың кейин ала жеке пайдаланыў мақсетинде ЭЕМ ушын бағдарламаны ямаса мағлыўматлар базасын еркин тǝкирарлаўға ҳǝм ǝпиўайыластырыўға болған ҳуқықы нызам менен белгиленеди. 33-статья. Жеке мақсетлерде тǝкирарлағаны ушын ҳақы төлеў Аудиовизуал шығарманы ямаса фонограмманы дǝрамат алмастан тек ғана жеке мақсетлер ушын шығарманың авторының, атқарыўшының, фонограмманы ҳǝм аудиовизуал шығарманы таярлаўшының келисимисиз, лекин оларға ҳақы төлеген ҳалда тǝкирарлаўға жол қойылады. Ҳақы бундай тǝкирарлаў ушын пайдаланылатуғын үскенелерди (аудио - ҳǝм видеомагнитофонлар ҳǝм басқа да үскенелерди) жǝне материаллық түрлерин (сесли ҳǝм (ямаса) видеопленкалар ҳǝм кассеталар, компакт дисклер ҳǝм басқа да материаллық түрлерин) таярлаўшылар ҳǝм импорт етиўшилер тǝрепинен төленеди. Таярланатуғын ҳǝм импорт етилетуғын үскенелер жǝне материаллық түрлериниң дизими, сондай-ақ алынатуғын ҳақы ставкалары, оны жыйнаў шǝртлери ҳǝм тǝртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тǝрепинен белгиленеди. Усы статьяда нǝзерде тутылған ҳақыны жыйнаў ҳǝм бөлистириў авторлар, фонограммаларды таярлаўшылар ҳǝм атқарыўшылардың мүлклик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемлердиң бири тǝрепинен усы шөлкемлер арасында дүзилген келисимге муўапық ǝмелге асырылады. Егер усы келисимде басқаша реже нǝзерде тутылған болмаса, көрсетип өтилген ҳақы төмендегише бөлистириледи: қырқ проценти - авторларға, отыз проценти – атқарыўшыларға, отыз проценти – фонограммалар ҳǝм (ямаса) аудиовизуал шығармаларды таярлаўшыларға. Усы статьяда нǝзерде тутылған ҳақыны алыў ҳǝм бөлистириў тǝртибин тексериў ҳǝм қадағалаў арнаўлы ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым тǝрепинен ǝмелге асырылады. Экспорт предмети болып есапланатуғын үскенелер ҳǝм материаллық буйымларға, сондай-ақ үй шараятларында пайдаланыў ушын арналмаған профессионал үскенелерге қатнаслы жыйым ǝмелге асырылмайды ҳǝм ҳақы төленбейди. 34-статья. Хызмет шығармасына болған авторлық ҳуқық Хызмет ўазыйпаларын ямаса хызмет тапсырмасын орынлаў тǝртибинде дөретилген шығармаға (хызмет шығармасына) болған автордың жеке мүлклик емес ҳуқықлары шығарманың авторында сақланып қалады. Хызмет шығармасынан пайдаланыўға болған айрықша ҳуқықлар, егер автор менен жумыс бериўши арасындағы шǝртнамада басқаша реже нǝзерде тутылған болмаса, жумыс бериўшиге тийисли. Хызмет шығармасынан пайдаланыўдың ҳǝр бир түри ушын авторлық ҳақы муғдары ҳǝм оны төлеў тǝртиби автор менен жумыс бериўши арасындағы шǝртнамада белгиленеди. Жумыс бериўши менен дүзилген шǝртнамаға қарамастан, автор шығарма жǝрияланған ўақыттан соң он жыл өткеннен кейин, жумыс бериўшиниң келисими менен болса оннан да бурынырақ шығармадан пайдаланыў ҳǝм авторлық ҳақыны алыў ҳуқықын толық көлемде қолға киргизеди. Автордың хызмет шығармасынан тапсырма мақсети талап етпейтуғын усылда пайдаланыў ҳуқықы шекленбейди. Жумыс бериўши хызмет шығармасынан ҳǝр қандай тǝризде пайдаланыўда өз атамасын көрсетиўге ямаса оны көрсетиўди талап етиўге ҳақылы. Хызмет ўазыйпаларын ямаса жумыс бериўшиниң хызмет тапсырмаларын орынлаў тǝртибинде усы Нызамның 17-статьясының үшинши бөлиминде нǝзерде тутылған энциклопедиялар, энциклопедиялық сөзликлер, дǝўирли ҳǝм даўамлы илимий жумыслар топламлары, газеталар, журналлар ҳǝм басқа да дǝўирли басылымлардың дөретилиўине усы статьяның режелери қолланылмайды. 35-статья. Авторлық ҳуқықтың ҳǝрекет етиў мүддети Авторлық ҳуқық автордың пүткил өмири даўамында ҳǝм ол қайтыс болғаннан соң жетпис жыл даўамында ҳǝрекет етеди, усы статьяда ҳǝм басқа да нызамларда нǝзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Биргеликтеги авторлықта дөретилген шығармаға болған авторлық ҳуқық биргеликтеги авторлардың пүткил өмири даўамында ҳǝм биргеликтеги авторлар арасында ең узақ жасаған ақырғы шахс қайтыс болғаннан кейин жетпис жыл даўамында ҳǝрекет етеди. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Лақап пенен ямаса аты көрсетилмей нызамлы жǝрияланған шығармаға болған авторлық ҳуқық шығарма жǝрияланғаннан кейин елиў жыл даўамында ҳǝрекет етеди. Егер көрсетилген мүддет ишинде лақап пенен ямаса аты көрсетилмей жазылған шығарманың авторы өз шахсын мǝлим етсе ямаса буннан былай оның шахсы гүманға орын қалдырмаса, усы статьяның биринши өлиминде көрсетилген мүддетлер қолланылады. Автор қайтыс болғаннан кейин биринши мǝрте жǝрияланған шығармаға болған авторлық ҳуқық шығарма жǝрияланғаннан кейин жетпис жыл даўамында ҳǝрекет етеди. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Авторлық ҳуқықы, авторлық атына болған ҳуқық ҳǝм автордың абыройын қорғаў ҳуқықы мүддетсиз қорғалады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Шығармаға Өзбекстан Республикасының халық аралық шǝртнамаларына муўапық қорғаў берилген жағдайда, Өзбекстан Республикасы аймағында авторлық ҳуқықтың ҳǝрекет етиў мүддети усы статьяға муўапық белгиленеди. Лекин, бул мүддет шығарма келип шыққан мǝмлекетте белгиленген авторлық ҳуқықтың ҳǝрекет етиў мүддетинен асып кетпеўи керек. Усы статьяда нǝзерде тутылған мүддетлерди есаплаў мүддеттиң өте баслаўы ушын тийкар болатуғын юридикалық факт жүз берген жылдан кейинги жылдың биринши январынан басланады. 36-статья. Авторлық ҳуқықтың мийрас бойынша өтиўи Автордың мүлклик ҳуқықлары мийрас бойынша өтеди. Автордың жеке мүлклик емес ҳуқықлары мийрас бойынша өтпейди. Автордың мийрасхорлары көрсетилген ҳуқықларды қорғаўға ҳуқықлы. Мийрасхорлардың усы ҳуқықлары мүддет пенен шекленбейди. Автордың мийрасхорлары болмаған жағдайда, оның жеке мүлклик емес ҳуқықларын қорғаў арнаўлы ўǝкилликли уйымға жүкленеди. Егер шығармаға болған авторлық ҳуқық бир неше мийрасхорға биргеликте тийисли болса, шығармадан пайдаланыў тǝртиби олардың арасындағы келисимде белгиленеди. Бунда мийрасхорлардан ҳеш бири басқа мийрасхорлардың шығармадан пайдаланыўды жетерли тийкарларсыз қадаған етиўге ҳақылы емес. 37-статья. Шығарманың жǝмийетлик мүлкке айланыўы Шығармаларға болған авторлық ҳуқықтың ҳǝрекет етиў мүддетиниң тамамланыўы олардың жǝмийетлик мүлкке айланыўын билдиреди. Өзбекстан Республикасы аймағында ҳеш қашан қорғаў берилмеген шығармалар жǝмийетлик мүлк болып есапланады. (30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамы тийкарында екинши бөлим алып тасланған) Жǝмийетлик мүлк болған шығармалардан ҳǝр қандай шахс авторлық ҳақыны төлемеген ҳалда еркин пайдаланыўы мүмкин. Бунда автордың жеке мүлклик емес ҳуқықлары сақланыўы керек. 38-статья. Авторлық шǝртнама Усы Нызамның 19-статьясының үшинши бөлиминде нǝзерде тутылған мүлклик ҳуқықлар тек ғана авторлық шǝртнаманы дүзиў жолы менен ҳуқық ийеси тǝрепинен басқа шахсқа өткерилиўи мүмкин, усы Нызамда белгиленген жағдайлар буған кирмейди. Автордың мүлклик ҳуқықларын басқа шахсқа өткериў айрықша ҳуқықларды басқа шахсқа өткериў ҳаққындағы авторлық шǝртнама тийкарында ямаса айрықша болмаған ҳуқықларды басқа шахсқа өткериў ҳаққындағы авторлық шǝртнама тийкарында ǝмелге асырылыў мүмкин. Айрықша ҳуқықларды басқа шахсқа өткериў ҳаққындағы авторлық шǝртнама тек ғана усы ҳуқықлар өткерилип атырған шахс шығармадан белгили бир усылда ҳǝм шǝртнамада белгиленген шеклерде пайдаланыўына рухсат береди. Айрықша болмаған ҳуқықларды басқа шахсқа өткериў ҳаққындағы авторлық шǝртнама пайдаланыўшыға шығармадан усындай ҳуқықларды басқа шахсқа өткерген айрықша ҳуқықлар ийеси ҳǝм (ямаса) бул шығармадан усындай усылда пайдаланыў ушын рухсат алған басқа шахслар менен тең рǝўиште пайдаланыўға рухсат береди. Авторлық шǝртнама бойынша басқа шахсларға өткерилетуғын ҳуқықлар, егер шǝртнамада тиккелей басқаша реже нǝзерде тутылған болмаса, айрықша болмаған ҳуқықлар деп есапланады. Шығармаға болған авторлық ҳуқық шығарма билдирилген материаллық объектке болған меншик ҳуқықы менен байланыслы емес. Материаллық объектке болған меншик ҳуқықын ямаса материаллық объектке ийелик етиў ҳуқықын басқа шахсқа өткериў усы объектте сǝўлеленген шығармаға болған қандай да бир авторлық ҳуқықтың өз-өзинен басқа шахсқа өткерилиўине себеп болмайды. 39-статья. Авторлық шǝртнаманың шǝртлери Авторлық шǝртнамада төмендегилер нǝзерде тутылыўы керек: шығармадан пайдаланыў усыллары (усы шǝртнама тийкарында өткерилетуғын конкрет ҳуқықлар); шығармадан пайдаланыўдың ҳǝр бир усылы ушын төленетуғын ҳақы муғдары ҳǝм (ямаса) төленетуғын ҳақы муғдарын белгилеў тǝртиби, оны төлеў тǝртиби ҳǝм мүддетлери. Авторлық шǝртнама тǝреплер зǝрүр деп тапқан басқа да шǝртлерди нǝзерде тутыўы мүмкин. Авторлық шǝртнамада шығармадан пайдаланыў ҳуқықы қанша мүддетке өткерилиўи ҳаққында шǝрт болмаған жағдайда, шǝртнама дүзилген сǝнеден баслап бес жыл өткеннен кейин, егер пайдаланыўшы шǝртнама бийкар етилгенге шекем кеминде алты ай бурын бул ҳаққында жазба рǝўиште ескертилген болса, шǝртнама автор тǝрепинен бийкар етилиўи мүмкин. Авторлық шǝртнамада шығармадан пайдаланыў ҳуқықы ҳǝрекет ететуғын аймақ шеклери ҳаққында шǝрт болмаған жағдайда, шǝртнамаға муўапық басқа шахсларға өткерилетуғын ҳуқықтың ҳǝрекет етиўи Өзбекстан Республикасы аймағы менен шекленеди. Басқа шахсқа өткерилиўи авторлық шǝртнамада тиккелей нǝзерде тутылмаған шығармадан пайдаланыў ҳуқықлары басқа шахсқа өткерилмеген деп есапланады. Шǝртнама дүзилген пайтта шығармадан пайдаланыў ҳаққында еле мǝлим болмаған ҳуқықлар авторлық шǝртнама предмети болыўы мүмкин емес. Төленетуғын ҳақы авторлық шǝртнамада шығармадан пайдаланыўдың тийисли усылы ушын алынатуғын дǝраматтан процент тǝризинде белгиленеди ямаса, егер буны шығарманың өзгешелиги яки оннан пайдаланыўдың өзине тǝн тǝреплери менен байланыслы ҳалда ǝмелге асырыў мүмкин болмаса, шǝртнамада белгиленген сумма тǝризинде ямаса басқаша тǝризде белгиленеди. Усы авторлық ҳақының ең кем муғдарлары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тǝрепинен белгиленеди. Егер шығарманы басып шығарыў ямаса оннан басқаша тǝризде пайдаланыў ҳаққындағы авторлық шǝртнамадан ҳақы төлеў белгили бир сумма тǝризинде белгиленсе, шǝртнамада шығарманың ең көп тиражы белгилеп қойылыўы шǝрт. Авторлық шǝртнаманың авторды келешекте усы темада ямаса усы салада шығармалар дөретиўди шеклейтуғын шǝрти өз-өзинен ҳақыйқый емес. Авторлық шǝртнаманың усы Нызам талапларына қайшы келетуғын шǝртлери ҳақыйқый емес. 40-статья. Аудиовизуал шығарма дөретиў ҳǝм оннан пайдаланыўға байланыслы авторлық шǝртнаманың өзине тǝн өзгешеликлери Аудиовизуал шығарма дөретиў ҳǝм оннан пайдаланыў ушын авторлық шǝртнаманы дүзиў, егер шǝртнамада басқаша реже нǝзерде тутылған болмаса, бул шығарма авторлары тǝрепинен аудиовизуал шығарманы таярлаўшыға тǝкирарлаў, тарқатыў, прокатқа бериў, көпшилик алдында атқарыў, эфирге бериў, кабель арқалы жибериў, ҳǝммениң дыққатына тǝкирарлап жибериў, аудиовизуал шығарманы ҳǝммениң дыққатына жеткериў, сондай-ақ аудиовизуал шығармаға субтитр ислеў ҳǝм текстти дубляж етиў бойынша айрықша ҳуқықлардың өткерилиўине алып келеди. Көрсетилген ҳуқықлар аудиовизуал шығармаға болған авторлық ҳуқық ҳǝрекет ететуғын мүддет даўамында ҳǝрекетте болады. Аудиовизуал шығарманың қурамына киретуғын шығармалардан пайдаланыў авторлық шǝртнама тийкарында ҳǝм нызамда нǝзерде тутылған басқа тийкарларда ǝмелге асырылады. Шығарманы аудиовизуал шығарма қурамына киргизиўге өз келисимин берген ҳуқық ийеси, егер аудиовизуал шығарманы таярлаўшы менен дүзилген авторлық шǝртнамада басқаша қағыйда нǝзерде тутылған болмаса, аудиовизуал щығармадан пайдаланыўды қадаған етиўге ямаса қандайда бир тǝризде шеклеўге ҳуқықлы емес. Аудиовизуал шығармаға жыйынды бөлим болып кирген, бурыннан бар болған шығарманың да, оның үстинде ислеў барысында дөретилген шығарманың да авторлары, егер аудиовизуал шығарманы таярлаўшы менен дүзилген авторлық шǝртнамада басқаша реже келисилген болмаса, ҳǝр бири өз шығармасына байланыслы авторлық ҳуқықтан пайдаланады. 41-статья. Буйыртпаның авторлық шǝртнамасы Автор буйыртпаның авторлық шǝртнамасы бойынша шығарманы шǝртнама шǝртлерине муўапық дөретиў ҳǝм оны буйыртпашыға тапсырыў миннетлемесин алады. Буйыртпаның авторлық шǝртнамасы бойынша дөретилген шығармаға болған жеке мүлклик емес ҳуқықлар авторға тийисли болады. Буйыртпаның авторлық шǝртнамасы бойынша шығармадан пайдаланыў ушын мүлклик ҳуқықлар басқа шахсқа өткерилген жағдайда, усы Нызамның 38, 39 ҳǝм 42-статьяларының режелери сақланыўы тийис. 42-статья. Авторлық шǝртнаманың формасы Авторлық шǝртнама жазба түрде дүзилиўи керек, нызамда нǝзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. ЭЕМ ушын бағдарламалар ҳǝм мағлыўматлар базалары нусқаларын сатыўда авторлық шǝртнама, егер оның шǝртлери (бағдарламадан ҳǝм мағлыўматлар базасынан пайдаланыў шǝртлери) бағдарлама ямаса мағлыўматлар базасы нусқаларында тийисли тǝризде баян етилген болса, жазба түрде дүзилген деп есапланады.III-БАП. ТҮРЛЕС ҲУҚЫҚЛАР
43-статья. Түрлес ҳуқықлардың ҳǝрекет етиў саласы Атқарыўшының ҳуқықлары төмендеги шǝртлерден бирине бойсынылған жағдайда усы Нызамға муўапық оған тийисли деп тǝн алынады: атқарыўшы Өзбекстан Республикасы пуқарасы болса; атқарыўшының пуқаралығына қарамастан, атқарыў биринши мǝрте Өзбекстан Республикасы ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы аймағында ǝмелге асырылған болса; атқарыў усы статьяның екинши бөлиминиң режелерине муўапық қорғалатуғын фонограммаға жазылған болса; фонограммаға жазылмаған атқарыў усы статьяның үшинши бөлиминиң қағыйдасына муўапық эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң қорғалатуғын көрсетиў ямаса еситтириўине киргизилген болса. Фонограмманы таярлаўшының ҳуқықлары төмендеги шǝртлердиң бири сақланған жағдайда, усы Нызамға муўапық оған тийисли деп тǝн алынады: фонограмманы таярлаўшы Өзбекстан Республикасы пуқарасы ямаса Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан жерине ийе болған юридикалық шахс болса; фонограмманы таярлаўшының пуқаралығы ямаса жайласқан жерине қарамастан, фонограмма биринши мǝрте Өзбекстан Республикасы аймағында жǝрияланған болса. Эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң ҳуқықлары, егер шөлкем Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан жерине ийе болса ҳǝм эфирге бериў яки кабель арқалы жибериўди Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан узатқышлар жǝрдеминде ǝмелге асырып атырған болса, усы Нызамға муўапық усы шөлкемге тийисли деп тǝн алынады. Сырт еллик юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамаларына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында қорғалатуғын түрлес ҳуқықлары да усы Нызамға муўапық тǝн алынады.
44-статья. Түрлес ҳуқықлар объектлери Түрлес ҳуқықлар объектлери қатарына атқарыўлар, фонограммалар, эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң көрсетиўлери ямаса еситтириўлери киреди.
45-статья. Түрлес ҳуқықлар субъектлери Атқарыўшылар, фонограммаларды таярлаўшылар, эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемлер түрлес ҳуқықлар субъектлери болып табылады. Түрлес ҳуқықлардың жүзеге келиўи ҳǝм ǝмелге асырылыўы ушын түрлес ҳуқықлар объектин дизимнен өткериў ямаса қандайда бир басқа рǝсмийшиликке бойсыныў талап етилмейди. Юридикалық ҳǝм физикалық шахслар, соның ишинде көрсетиў ямаса еситтириўди эфирге бериў ҳǝм кабель арқалы жибериўди (ретрансляция да усыған киреди) ǝмелге асырыўшы юридикалық ҳǝм физикалық шахслар, усы Нызамда нǝзерде тутылған жағдайлардан тысқары, шығармадан, атқарыўдан, фонограммадан ямаса эфир яки кабель арқалы көрсетиў ямаса еситтириў бериўши шөлкемниң көрсетиў ямаса еситтириўинен тек ғана ҳуқық ийеси яки басқа ўǝкилликли шахс пенен дүзилген шǝртнамаға муўапық пайдаланыўы мүмкин. Ретрансляция авторлар, атқарыўшылар, фонограммаларды таярлаўшылар ҳǝм басқа да ҳуқық ийелериниң эфирге бериў, кабель арқалы жибериў, ҳǝммениң дыққатына жеткериўге болған ҳуқықларына бойсынылған ҳалда ǝмелге асырылыўы тийис.
46-статья. Түрлес ҳуқықлардың қорғаў белгилери Фонограммаға ҳǝм (ямаса) бундай фонограммаға жазылған атқарыўға болған айрықша ҳуқықлар ийелери өз ҳуқықларынан хабардар етиў ушын түрлес ҳуқықлардың қорғаў белгисинен пайдаланыўы мүмкин болып, бул белги фонограмманың ҳǝр бир нусқасында ҳǝм (ямаса) ол сақланатуғын футлярда қойылады ҳǝм төмендеги үш элементтен ибарат болады: айнала ишиндеги латынша «Р» ҳǝриби; айрықша түрлес ҳуқықлар ийесиниң аты, фамилиясы (атамасы); фонограмма биринши мǝрте жǝрияланған жыл. Атамасы ямаса аты-фамилиясы усы фонограммада ҳǝм (ямаса) ол сақланатуғын футлярда ǝпиўайы тǝризде көрсетилген юридикалық ямаса физикалық шахс, егер басқа жағдай дǝлилленбеген болса, фонограмманы таярлаўшы деп тǝн алынады. 47-статья. Атқарыўшының ҳуқықлары Атқарыўшыға төмендеги ҳуқықлар тийисли: аты-фамилиясына болған ҳуқық; атқарыўды атқарыўшының намысы ҳǝм абройына зыян келиўи мүмкин болған ҳǝр қандай тǝризде бузып көрсетилиўинен ямаса ҳǝр қандай басқаша тǝриздеги усыған усас жағдайлардан қорғаў ҳуқықы; атқарыўдан ҳǝр қандай түрде пайдаланыўға болған айрықша ҳуқықлары, соның ишинде атқарыўшының атқарыўдан пайдаланыўдың ҳǝр бир түри ушын ҳақы алыўға болған ҳуқықы. Атқарыўшының атқарыўдан пайдаланыўға болған айрықша ҳуқықлары төмендеги ҳǝрекетлерди ǝмелге асырыў ямаса бундай ҳǝрекетлерге рухсат бериў ҳуқықын аңлатады: атқарыў жазыўын тǝкирарлаў (тǝкирарлаў ҳуқықы); атқарыў жазыўының түп нусқасы ямаса нусқаларын сатыў яки меншик ҳуқықын өзгеше тǝризде басқа шахсқа өткериў жолы менен тарқатыў (тарқатыў ҳуқықы); атқарыў жазыўын ҳǝммениң дыққатына жеткериў (ҳǝммениң дыққатына жеткериў ҳуқықы); атқарыў жазыўының түп нусқасы ямаса нусқаларын, ҳǝтте олар атқарыўшының келисими менен тарқатылғаннан кейин ҳǝм түп нусқаға жǝне нусқаларға болған меншик ҳуқықына қарамастан, прокатқа бериў (прокатқа бериў ҳуқықы); бурын жазылмаған атқарыўларды жазып алыў (жазып алыў ҳуқықы); атқарыўды эфирге бериў ямаса кабель арқалы жибериў, егер бундай еситтириў ямаса көрсетиў ушын пайдаланылатуғын атқарыў бурын эфирге берилмеген болса ямаса жазыўдан пайдаланылған ҳалда ǝмелге асырылмаса (жазып алынбаған атқарыўды эфирге бериў ямаса кабель арқалы жибериў ҳуқықы); атқарыў жазыўын эфирге узатыў ямаса кабель арқалы жибериў, егер дǝслеп бул жазыў коммерциялық емес мақсетлер ушын таярланған болса (атқарыў жазыўын эфирге узатыў ямаса кабель арқалы жибериў ҳуқықы). Атқарыўшының атқарыў жазыўын тǝкирарлаўға болған айрықша ҳуқықы төмендеги жағдайларда қолланылмайды: атқарыўдың дǝслепки жазыўы атқарыўшының келисими менен ǝмелге асырылғанда; атқарыў жазыўын тǝкирарлаў атқарыў жазып алынып атырғанда атқарыўшының келисими қайсы мақсетте алынған болса, усы мақсетте ǝмелге асырылғанда; атқарыў жазыўын тǝкирарлаў усы Нызамның 53-статьясындағы режелерге муўапық таярланған жазыў мақсетинде ǝмелге асырылғанда. Егер атқарыў жазыўының нусқалары оларды сатыў ямаса меншик ҳуқықын өзгеше тǝризде басқа шахсқа өткериў жолы менен пуқаралық айланысқа нызамлы киргизилген болса, атқарыўшының келисимисиз ҳǝм оған ҳақы төлемеген ҳалда олардың буннан былай да тарқатылыўына жол қойылады. Хызмет ўазыйпаларын ямаса жумыс бериўшиниң хызмет тапсырмасын орынлаў тǝртибинде ǝмелге асырылған атқарыўларға тийислисинше усы Нызамның 34-статьясының қағыйдалары қолланылады. Атқарыўшылар өз ҳуқықларын атқарылатуғын шығармалардың авторларының ҳуқықлары сақланған ҳалда ǝмелге асырыўы керек. Атқарыў жазыўынан дǝрамат алыў мақсетинде пайдаланылғанлығы ямаса оннан пайдаланыў бундай мақсетке қаратылмағанлығына қарамастан, атқарыў жазыўынан пайдаланылған деп есапланады. 48-статья. Атқарыўшының ҳуқықларын басқа шахсқа өткериў Атқарыўшының усы Нызамның 47-статьясының екинши бөлиминде нǝзерде тутылған ҳуқықлары шǝртнама бойынша басқа шахсларға өткерилиўи мүмкин. Бундай шǝртнамаға, тийислисинше, усы Нызамның 38, 39 ҳǝм 42-статьяларының режелери қолланылады. Атқарыўлардан пайдаланыў ушын рухсатнамалар атқарыўшы тǝрепинен, атқарыўшылар жǝмǝǝти атқарғанда болса атқарыўшылар жǝмǝǝтиниң ўǝкилликли ўǝкили тǝрепинен жазба шǝртнама дүзиў арқалы бериледи. Атқарыўдан пайдаланғанлығы ушын ҳақы муғдары ҳǝм оны есаплап шығарыў тǝртиби атқарыўшының ямаса атқарыўшылар жǝмǝǝти ўǝкилликли ўǝкилиниң пайдаланыўшы менен дүзилген шǝртнамасында, бундай ҳақыны жыйнаў атқарыўшылардың мүлклик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемлер тǝрепинен ǝмелге асырылған жағдайларда болса, бундай шөлкемлер пайдаланыўышалар менен дүзетуғын шǝртнамаларда белгилеп қойылады. Аудиовизуал шығарманы дөретиў ҳаққында атқарыўшы ҳǝм аудиовизуал шығарманы таярлаўшы арасында шǝртнама дүзилиўи атқарыўшы тǝрепинен усы нызамның 47-статьясының екинши бөлиминде нǝзерде тутылған ҳуқықлар өткерилиўине себеп болады. Атқарыўшы тǝрепинен бундай ҳуқықлардың өткерилиўи аудиовизуал шығармадан пайдаланыў менен шекленеди ҳǝм, егер шǝртнамада басқаша реже нǝзерде тутылған болмаса, аудиовизуал шығармада жазылған сес ямаса көринистен өз алдына пайдаланыў ҳуқықларын өз ишине алмайды. 49-статья. Атқарыў жазыўын прокатқа бериў ҳуқықы Коммерциялық мақсетлерде жǝрияланған, атқарылыўы атқарыўшы қатнасыўында жазып алынған фонограмманы прокатқа бериў ҳуқықы, атқарыўды фонограммаға жазып алыў ҳуқықына шǝртнама дүзилгенде, фонограмманы таярлаўшыға өтеди. Коммерциялық мақсетлерде жǝрияланған фонограмма нусқаларын прокатқа бериўде атқарылыўы фонограммаға жазып алынған атқарыўшы бундай фонограмма нусқаларының прокаты ушын ҳақы алыў ҳуқықын сақлап қалады. Коммерциялық мақсетлерде жǝрияланған аудиовизуал шығарманың нусқаларын прокатқа бериўде атқарылыўы аудиовизуал шығармаға киргизилген атқарыўшы бундай аудиовизуал шығарманың нусқаларының прокаты ушын ҳақы алыў ҳуқықын сақлап қалады. Коммерциялық мақсетлерде жǝрияланған фонограмма ямаса аудиовизуал шығарма нусқаларын прокатқа бериўде ҳақы жыйнаў ҳǝм бөлистириў атқарыўшылардың мүлклик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкем тǝрепинен ǝмелге асырылыўы мүмкин. Ҳақы муғдары бундай шөлкем менен прокатқа бериўши шөлкем арасындағы келисим менен белгиленеди. 50-статья. Фонограмманы таярлаўшының ҳуқықлары Фонограмманы таярлаўшыға усы Нызамға муўапық, бул фонограммадан пайдаланыўға айрықша ҳуқықлар тийисли болып табылады. Фонограмманы таярлаўшының фонограммадан пайдаланыўға болған айрықша ҳуқықлары төмендеги ҳǝрекетлерди ǝмелге асырыў ямаса бундай ҳǝрекетлерге рухсат бериў ҳуқықын аңлатады: фонограмманы тǝкирарлаў (тǝкирарлаў ҳуқықы); фонограмманың түп нусқасы ямаса нусқаларын сатыў яки меншик ҳуқықын өзгеше тǝризде басқа шахсқа өткериў жолы менен тарқатыў (тарқатыў ҳуқықы); фонограмманы ҳǝммениң дыққатына жеткериў (ҳǝммениң дыққатына жеткериў ҳуқықы); фонограмманың түп нусқасы ямаса нусқаларын, ҳǝтте олар фонограмманы таярлаўшы тǝрепинен ямаса оның келисими менен тарқатылғаннан кейин жǝне оның түп нусқасы ямаса нусқаларына болған меншик ҳуқықына қарамастан, прокатқа бериў (прокатқа бериў ҳуқықы); фонограмманың түп нусқасы ямаса нусқаларын, соның ишинде фонограммаға болған айрықша ҳуқықлар ийесиниң келисими менен таярланған нусқаларын тарқатыў мақсетинде импорт етиў (импорт етиў ҳуқықы); фонограмманы эфирге бериў ямаса кабель арқалы жибериў (фонограмманы эфирге бериў ямаса кабель арқалы жибериў ҳуқықы); фонограммаға дүзетиўлер киргизиў ямаса оны басқаша усылда қайта ислеў (қайта ислеў ҳуқықы). Фонограмманы таярлаўшы өз фонограммасынан пайдаланыўдың ҳǝр бир түри ушын ҳақы алыў ҳуқықына ийе. Егер жǝрияланған фонограмма нусқалары оларды сатыў ямаса меншик ҳуқықын өзгеше тǝризде басқа шахсқа өткериў жǝрдеминде пуқаралық айланысқа нызамлы киргизилген болса, олардың буннан кейинги тарқатылыўына фонограмманы таярлаўшының келисимисиз ҳǝм оған ҳақы төлемеген ҳалда жол қойылады. Фонограмманы таярлаўшының усы статьяның екинши бөлиминде нǝзерде тутылған айрықша ҳуқықлары шǝртнама бойынша басқа шахсқа өткерилиўи мүмкин. Бундай шǝртнамаға тийислисинше усы статьяның 38, 39, 42-статья-ларының режелери қолланылады. Фонограммаларды таярлаўшылар өз ҳуқықларын пайдаланылып атырған шығармалар ҳǝм атқарыўлар авторлары жǝне атқарыўшылардың ҳуқықларына бойсынған ҳалда ǝмелге асырыўы тийис. Фонограммадан дǝрамат алыў мақсетинде пайдаланылғанлығы ямаса оннан пайдаланыў бундай мақсетке қаратылмағанлығына қарамастан, фонограммадан пайдаланылған деп есапланады. 51-статья. Фонограммадан пайдаланғанлығы ушын ҳақы төлеў Коммерциялық мақсетте жǝрияланған фонограмманы таярлаўшының ҳǝм атқарылыўы усындай фонограммаға жазылған атқарыўшының келисимисиз, лекин оларға ҳақы төлеген ҳалда: фонограмманы көпшилик алдында атқарыўға; фонограмманы эфирге бериў ямаса кабель арқалы жибериў, соның ишинде оны ретрансляция етиў жолы менен эфирге бериў ямаса кабель арқалы жибериўге жол қойылады. Усы статьяның биринши бөлиминде нǝзерде тутылған ҳақыны жыйнаў, бөлистириў ҳǝм төлеў атқарыўшылардың мүлклик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкем ямаса фонограммаларды таярлаўшылардың меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкем тǝрепинен усындай шөлкемлер арасындағы келисимге муўапық ǝмелге асырылыўы мүмкин. Усы статьяның биринши бөлиминде нǝзерде тутылған ҳақы муғдары, сондай-ақ оны төлеў тǝртиби ҳақыны жыйнаўшы шөлкем менен фонограммадан пайдаланыўшы шахслар арасындағы келисимде белгиленеди. 52-статья. Эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў ямаса еситтириў бериўши шөлкемниң ҳуқықлары Эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкем усы көрсетиў ямаса еситтириўден пайдаланыўда усы Нызамға муўапық айрықша ҳуқықларға ийе болады. Эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң өз көрсетиўи ямаса еситтириўинен пайдаланыўға болған айрықша ҳуқықлары төмендеги ҳǝрекетлерди ǝмелге асырыў ямаса бундай ҳǝрекетлерге рухсат бериў ҳуқықын аңлатады: көрсетиў ямаса еситтириў жазыўын тǝкирарлаў (тǝкирарлаў ҳуқықы); көрсетиў ямаса еситтириў жазыўының түп нуқсасы яки нусқаларын сатыў ямаса меншик ҳуқықын өзгеше тǝризде басқа шахсқа өткериў жолы менен тарқатыў (тарқатыў ҳуқықы); көрсетиў ямаса еситтириў жазыўын ҳǝммениң дыққатына жеткериў (ҳǝммениң дыққатына жеткериў ҳуқықы); көрсетиў ямаса еситтириўди жазып алыў (жазып алыў ҳуқықы); кириў төлемли орынларда көрсетиў ямаса еситтириўди ҳǝммениң дыққаты ушын жибериў (кириў төлемли орынларда көрсетиў ямаса еситтириўди ҳǝммениң дыққаты ушын жибериў ҳуқықы); көрсетиў ямаса еситтириўди ретрансляция ислеў (ретрансляция ҳуқықы); көрсетиў ямаса еситтириўди кабель арқалы ҳǝммениң дыққаты ушын жибериў ямаса көрсетиў яки еситтириўди эфирге бериў (көрсетиў ямаса еситтириўде кабель арқалы жибериў ямаса эфирге бериў ҳуқықы). Эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкем өз көрсетиўи ямаса еситтириўинен пайдаланыўдың ҳǝр бири түри ушын ҳақы алыў ҳуқықына ийе. Эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң көрсетиўи ямаса еситтириўи жазыўын тǝкрарлаўға болған айрықша ҳуқықы төмендеги жағдайларға қолланылмайды: көрсетиў ямаса еситтириўди жазып алыў эфир ямаса кабель арқалы яки еситтириў бериўши шөлкемниң келисими менен ǝмелге асырылғанда; көрсетиў ямаса еситтириў жазыўын тǝкирарлаў усы Нызамның 53-статьясы режелерине муўапық таярланған жазыў мақсетинде ǝмелге асырылғанда. Эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң усы статьяның екинши бөлиминде нǝзерде тутылған айрықша ҳуқықлары шǝртнама бойынша басқа шахсларға өткерилиўи мүмкин. Бундай шǝртнамаға тийислисинше усы Нызамның 38, 39 ҳǝм 42-статьяларының қағыйдалары қолланылады. Эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемлер өз ҳуқықларын пайдаланылатуғын шығармалардың авторлары ҳǝм атқарыўдың атқарыўшыларының ҳуқықларына, ал тийисли жағдайларда фонограммаларды таярлаўшылар ҳǝм эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемлердиң ҳуқықлары сақланған ҳалда ǝмелге асырыўы тийис. Эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң көрсетиўи ямаса еситтириўинен дǝрамат алыў мақсетинде пайдаланылмағанлығына ямаса оннан пайдаланыў бундай мақсетке қаратылмағанлығына қарамастан, көрсетиў ямаса еситтириўден пайдаланылған деп есапланады. 53-статья. Атқарыўшы, фонограмманы таярлаўшы, эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң ҳуқықларының шеклениўи Атқарыўшының, фоногорамманы таярлаўшының, эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң ямаса басқа да ҳуқық ийесиниң келисимисиз ҳǝм ҳақы төлемеген ҳалда атқарыўдан эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң көрсетиўи яки еситтириўинен ҳǝм олардың жазыўларынан пайдаланыўға, сондай-ақ, фонограмманы тǝкирарлаўға төмендеги жағдайларда жол қойылады: Күнделикли ўақыялар шолыўына атқарыўдан, фонограммадан, эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң көрсетиўи ямаса еситтириўинен онша үлкен болмаған үзиндилер киргизиў жолы менен; тек ғана оқыў ямаса илимий-изертлеў мақсетлеринде; илимий, изертлеў, полемика, сын ямаса мǝлимлеме мақсетлеринде цитата алыныўы шǝрти менен атқарыўдан, фонограммадан, эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң көрсетиўи ямаса еситтириўинен онша үлкен болмаған үзиндилерди цитата түринде келтириў. Бунда коммерциялық мақсетте жǝрияланған фонограмманы эфирге бериў ямаса кабель арқалы жибериў яки ҳǝммениң дыққатына жеткериў ушын ҳǝр қандай тǝкирарлаў усы Нызамның 51-статьясының қағыйдаларына бойсынған ҳалда ǝмелге асырылады; усы Нызамда илим, ǝдебият ҳǝм көркем-өнер шығармалары авторларының меншик ҳуқықларын шеклеўге байланыслы нǝзерде тутылған басқа да жағдайларда. Физикалық шахс тǝрепинен атқарыўшының, фонограмманы таярлаўшының, эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң ямаса басқа да ҳуқық ийесиниң келисимисиз ҳǝм ҳақы төлемеген ҳалда атқарыўдың, эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң көрсетиўи ямаса еситтириўиниң, сондай-ақ, фонограмманың жазыўын тек ғана өз жеке мақсетлери ушын ҳǝм дǝрамат алыўды гөзлемеген ҳалда таярлаўға жол қойылады. Егер қысқа мүддет пайдаланыў ушын жазыў ямаса тǝкрарлаў эфир арқалы көрсетиў ямаса еситтириў бериўши шөлкем тǝрепинен өз ǝспаб-үскенелери жǝрдеминде ҳǝм оның өз көрсетиўи ямаса еситтириўи ушын ǝмелге асырылып атырған болса, атқарыўдың ямаса көрсетиў яки еситтириўдиң қысқа мүддет пайдаланылатуғын жазыўларын ǝмелге асырыў, бундай жазыўларды тǝкрарлаў ҳǝм коммерциялық мақсетте жǝрияланған фонограмманы тǝкрарлаў ушын атқарыўшыны, фонограмманы таярлаўшыны ҳǝм эфир арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң рухсатын алыўға усы Нызамның 47, 50 ҳǝм 52-статьяларының режелери төмендеги шǝртлери менен қолланылмайды: эфир арқалы көрсетиў ямаса еситтириў бериўши шөлкем усы бөлимниң режелерине муўапық қысқа мүддет пайдаланылатуғын жазыў ямаса бундай жазыўды тǝкрарлаў ǝмелге асырылып атырған атқарыўдың өзин ямаса көрсетиў яки еситтириўди эфирге бериў ушын алдын-ала рухсат алған жағдайда; қысқа мүддет пайдаланылатуғын жазыў илим, ǝдебият ҳǝм көркем өнер шығармаларының усы Нызамның eq-статьясының режелерине муўапық, эфир арқалы көрсетиў ямаса еситтириў бериўши шөлкем тǝрепинен орынланатуғын қысқа мүддет пайдаланылатуғын жазыўға қатнаслы белгиленетуғын мүддет шеклеринде жоқ етип жиберилген жағдайда, өзиниң өз алдына ҳүжжет сыпатына ийелиги себепли архивлерде ҳǝм ведомстволық архивлерде сақланыўы мүмкин болған жалғыз нусқа буған кирмейди. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Усы статьяда автордың, атқарыўшының, фонограммаларды таярлаўшының эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң яки басқа да ҳуқық ийесиниң ҳуқықларына қатнаслы нǝзерде тутылған шеклеўлер атқарыўдан, фонограммадан, эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң көрсетиўи ямаса еситтириўинен, сондай-ақ оларға киргизилген илим, ǝдебият ҳǝм көркем-өнер шығармаларынан нормал пайдаланыўға зыян келтирмеген ҳалда ҳǝм атқарыўшының фонограмманы таярлаўшының эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң, усы шығармалардың авторлары ҳǝм басқа да ҳуқық ийелериниң нызамлы мǝплерин шеклеп қоймаған ҳалда қолланылады. 54-статья. Түрлес ҳуқылардың ҳǝрекет етиў мүддети Усы Нызамда атқарыўшыға қатнаслы нǝзерде тутылған ҳуқықлар атқарыў бирнши мǝрте атқарылғаннан кейин елиў жыл даўамында ҳǝрекет етеди. Атқарыўшының аты-фамилиясына болған ҳǝм атқарыўды атқарыўшының намысы ҳǝм абыройына зыян келтириўи мүмкин болған ҳǝр қандай тǝризде бузып көрсетилиўинен ямаса ҳǝр қандай басқаша тǝриздеги бундай жағдайлардан қорғаў ҳуқықлары мүддетсиз қорғалады. Фонограмманы таярлаўшыға қатнаслы усы нызамда нǝзерде тутылған ҳуқықылар фонограммада биринши мǝрте жǝрияланғаннан кейин елиў жыл даўамында ямаса, егер фонограмма оның биринши жазыўынан кейин елиў жыл ишинде жǝрияланбаған болса, усы мүддет даўамында ҳǝрекет етеди. Эфир яки кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң өз көрсетиўи ямаса еситтириўине қатнаслы усы Нызамда нǝзерде тутылған ҳуқықлары бундай көрсетиў ямаса еситтириў биринши мǝрте эфирге берилгеннен ямаса биринши кабель арқалы жиберилгеннен кейин елиў жыл даўамында ҳǝрекет етеди. Түрлес ҳуқықлар объектлерине Өзбекстан Республикасының халық аралық шǝртнамаларына муўапық қорғаў берилгенде, Өзбекстан Республикасы аймағында түрлес ҳуқықлардың ҳǝрекет етиў мүддети усы статьяға муўапық белгиленеди. Лекин бул мүддет түрлес ҳуқықлар объектлери келип шыққан мǝмлекетте белгиленген түрлес ҳуқықлардың ҳǝрекет етиў мүддетинен асып кетпеўи керек. Усы статьяда нǝзерде тутылған мүддетлерди есаплаў мүддеттиң өте баслаўы ушын тийкар болатуғын юридикалық факт жүз берген жылдан кейинги жылдың 1-январынан басланады. Усы статьяда нǝзерде тутылған мүддетлердиң қалған бөлеги шеклеринде атқарыўдан, фонограммадан, эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң көрсетиўи ямаса еситтириўинен пайдаланыўды ǝмелге асырыў яки пайдаланыўға рухсат бериў ҳǝм ҳақы алыўға болған ҳуқық атқарыўшының, фонограмманы таярлаўшының эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң мийрасхорларына (юридикалық шахсларға қатнасы- ҳуқықый мийрасхорларына) өтеди. 55-статья. Түрлес ҳуқықлар объектлериниң жǝмийетлик мүлкке айланыўы Атқарыў, фонограмма, эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириўге болған түрле ҳуқықлардың ҳǝрекет етиў мүддетиниң тамамланыўы олардың жǝмийетлик мүлкке айланыўын билдиреди. Өзбекстан Республикасы аймағында ҳеш қашан қорғаў берилмеген атқарыўлар, фонограммалар ҳǝм эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөлкемниң көрсетиўлери ямаса еситтириўлери жǝмийетлик мүлк болып есапланады. Жǝмийетлик мүлк болған атқарыўлар, фонограммалар, эфир ямаса кабель арқалы көрсетиў яки еситтириў бериўши шөкемниң көрсетиўлери ямаса еситтириўлеринен ҳǝр қандай шахс ҳақы төлемеген ҳалда еркин пайдаланыўы мүмкин.IV. МЕНШИК ҲУҚЫҚЛАРЫН ЖӘМӘӘТЛИК БАСҚАРЫЎ
56-статья. Меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемлер Илим, ǝдебият ҳǝм көркем-өнер шығармаларының авторлары атқарыўшылар, фонограммаларды таярлаўшылар ямаса басқа да ҳуқық ийелери өз меншик ҳуқықларын ǝмелге асырыў мақсетинде усы меншик ҳуқықларын жǝмийетлик басламада басқаратуғын шөлкемлерди дүзиўге ҳуқықлы. Меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқаратуғын шөлкемлер коммерциялық емес шөлкемлер болып есапланады ҳǝм өз уставы тийкарында жумыс алып барады. Меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемлердиң уставлары усы Нызамның талапларына жуўап беретуғын режелерди өз ишине алған болыўы тийис. Меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемлердиң жумысына қатнаслы монополияға қарсы қаратылған нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылған шеклеўлер қолланылмайды. Ҳуқық ийелериниң ҳǝр қыйлы ҳуқықлары ҳǝм ҳǝр қыйлы категориялар бойынша өз алдына шөлкемлерди ямаса бир категориялардағы ҳуқық ийелериниң мǝплерин гөзлеп ҳǝр қыйлы ҳуқықларды басқарыўшы шөлкемлерди ямаса ҳǝр қыйлы категориядағы ҳуқық ийелериниң мǝплерин гөзлеп, ҳуқықлардың бир түрин басқарыўшы шөлкемлерди дүзиўге жол қойылады. Меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемлерди мǝмлекетлик дизимнен өткериў шǝртлери ҳǝм тǝртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тǝрепинен белгиленеди.
57-статья. Меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тǝртипте басқарыўшы шөлкемлердиң жумысы Меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыў ушын ўǝкилликлер тиккелей ҳуқық ийелери тǝрепинен ықтиярлы рǝўиште жазба шǝртнамалар тийкарында, сондай-ақ, меншик ҳуқықларын басқарыўды ǝмелге асырыўшы басқа шөлкемлер (соның ишинде сырт ел шөлкемлери) менен дүзилген тийисли шǝртнамалар бойынша бериледи. Бундай шǝртнамалар авторлық шǝртнама болып есапланбайды ҳǝм усы Нызамның 38-42-статьяларының режелери оларға қолланылмайды. Автор ямаса басқа да ҳуқық ийеси меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемге шǝртнама бойынша өз меншик ҳуқықларын ǝмелге асырыў ушын ўǝкилликлер бериўге ҳақылы, ал шөлкем, егер бундай ҳуқықларды басқарыў усы шөлкемниң уставында көрсетилген жумысына байланыслы болса, бул ҳуқықларды жǝмǝǝтлик тийкарда ǝмелге асырыўды өз жуўапкершилигине алыўы шǝрт. Автор ямаса басқа да ҳуқық ийеси өз меншик ҳуқықлары ямаса ҳуқықын ǝмелге асырыў ўǝкилликлерин тийисли категориядағы ҳуқық ийелериниң меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы тек ғана бир шөлкемге бериўге ҳуқықлы. Ҳақы муғдары ҳǝм пайдаланыўшылар менен шығармалардан жǝне түрлес ҳуқықлар объектлеринен пайдаланыў ушын шǝртнама дүзиў шǝртлери, жыйналған ҳақыны бөлистириў ҳǝм төлеў усылы жǝне меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемниң жумысының басқа да ǝҳмийетли мǝселелери бойынша шешимлерди қабыл етиў тек ғана авторлар ямаса басқа да ҳуқық ийелери тǝрепинен улыўма жыйналыста коллегиал түринде ǝмелге асырылады. Меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкем ҳуқық ийелеринен алынған ўǝкилликлер тийкарында пайдаланыўшылар менен шығармалардан ҳǝм түрлес ҳуқықлар объектлеринен пайдаланыў ушын шǝртнамалар дүзеди. Шǝртнамалардың шǝртлери пайдаланылатуғын шығармалардың ямаса түрлес ҳуқықлар объектлериниң түри ҳǝм көлемине қарай анықланатуғын бир категориядағы барлық пайдаланыўшылар ушын бир қыйлы болыўы тийис. Бул шөлкемлер пайдаланыўшылар менен шǝртнамалар дүзиўден жетерли тийкарсыз бас тартыўға ҳуқықлы емес. Бундай шǝртнамалар оларда нǝзерде тутылған усыллар менен барлық шǝртнамалардан ҳǝм түрлес ҳуқықлар объектлеринен пайдаланыўға рухсат береди ҳǝм барлық ҳуқық ийелериниң, соның ишинде усы статьяның 1, 2 ҳǝм 6-бөлимлерине муўапық шөлкемге ўǝкилликлерин бермеген ҳуқық ийелериниң атынан ҳǝм олардың мǝплерин гөзлеп усынылады. Ҳуқық ийелериниң пайдаланыўшыларға қатнаслы бундай шǝртанамалар тийкарында олардың шығармаларынан ҳǝм түрлес ҳуқықлар объектлеринен пайдаланыў менен байланыслы барлық итималлы мүлклик қарсы даўалары шǝртнамалар дүзген меншик ҳуқықларды жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкем тǝрепинен ретлестирилиўи тийис. Пайдаланыўшылар меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемлерге шығармалардан ҳǝм түрлес ҳуқықлар объектлеринен пайдаланыў ҳаққындағы мағлыўматларды, сондай-ақ ҳақыны жыйнаў, бөлистириў ҳǝм төлеў ушын зǝрүр болатуғын басқа да мағлыўматлар ҳǝм ҳүжжетлерди усыныўы шǝрт. Мағлыўматлар ҳǝм ҳүжжетлердиң дизими меншик ҳуқықларын жǝмийетлик тийкарда басқарыўшы шөлкемлер пайдаланыўшылар менен дүзилетуғын шǝртнамаларда белгиленеди. Меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемлер жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыў ушын алынған шығармалардан ҳǝм түрлес ҳуқықлар объектлеринен пайдаланыўды ǝмелге асырыўға ҳуқықлы емес. 58-статья. Меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемлердиң ҳуқықлары Меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкем өзи қайсы ҳуқық ийелериниң атынан ис жүргизип атырған болса, усы ҳуқық ийелериниң атынан ҳǝм олардан алынған ўǝкилликлер тийкарында төмендеги ҳуқықларға ийе болады: төленетуғын ҳақы муғдарын ҳǝм шǝртнамалардың дүзилиўине байланыслы басқа да шǝртлерди пайдаланыўшылар менен келисип алыў; бундай шөлкем басқарып атырған ҳуқықлардан пайдаланыў ушын пайдаланыўшылар менен шǝртнамалар дүзиў; шөлкем төленетуғын ҳақыны жыйнаў менен усы Нызамда нǝзерде тутылған жағдайларда шǝртнама дүзбестен шуғылланған жағдайда, бундай ҳақы муғдарын, пайдаланыўшылар менен келисип алыў; шǝртнамаларда нǝзерде тутылған ҳақыны ҳǝм (ямаса) усы бөлимниң 4 абзацында нǝзерде тутылған ҳақыны жыйнаў, бөлистириў ҳǝм төлеў; бундай шөлкем өз басқарып атырған ҳуқықларды қорғаў ушын зǝрүр болатуғын ҳǝр қандай юридикалық ҳǝрекетлерди орынлаў; усындай шөлкем тǝрепинен белгиленген тǝртипте шығармаларды ҳǝм (ямаса) түрлес ҳуқықлар объектлерин, сондай-ақ шығармаларға ҳǝм (ямаса) түрлес ҳуқықлар объектлерине болған ҳуқықларды басқа шахсқа өткериў ҳаққындағы шǝртнамаларды дизимге алыўды ҳǝм (ямаса) сақлаўға тапсырыўды ǝмелге асырыў. Меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкем ҳуқық ийелери менен дүзилген шǝртнамалар тийкарында нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин. 59-статья. Меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемлердиң миннетлери Меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарып атырған шөлкем: ҳақы төлеў менен бир ўҳақытта ҳуқық ийелерине олардың ҳуқықларынан пайдаланылғанлығы ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған есабатларды усыныўы; усы Нызамның 58-статьясы биринши бөлими бесинши абзацының режелерине муўапық жыйналған ҳақыдан тек ғана ҳуқық ийелерине бөлистириў ҳǝм төлеў ушын пайдаланыўы. Бундай шөлкем жыйналған ҳақыдан бундай ҳақыны жыйнаў, бөлистириў ҳǝм төлеў бойынша өзиниң ҳақықый қǝрежетлерин қаплаў суммалары, сондай-ақ бул шөлкем тǝрепинен өзи қайсы ҳуқық ийелериниң атынан ис жүргизип атырған болса, усы ҳуқық ийелериниң келисими менен ҳǝм олардың мǝплерин гөзлеп шөлкемлестирилетуғын арнаўлы қорларға бағдарланатуғын суммаларды шегирип таслаўға ҳуқықлы; жыйналған ҳақы суммалары, усы бөлимниң 3-абзацында нǝзерде тутылған суммаларды шегирип таслаған ҳалда шығармалардан ҳǝм түрлес ҳуқықлар объектлеринен ҳақықыйқатта пайдаланылыўына сǝйкес рǝўиште бөлистирилиўи ҳǝм турақлы төлеп барыўы; топланған ҳақыны тиккелей ҳуқық ийелерине бөлистириўи ҳǝм төлеўи жǝне (ямаса) оны ҳуқық ийелерине бөлистириў ҳǝм төлеў ушын тийисли категориядағы ҳуқық ийелериниң мǝплерин билдириўши басқа да шөлкемлерге усы шөлкемлер менен дүзилген келисимлер тийкарында өткерилиўи; талап етип алынбаған ҳақыны ҳуқық ийелерин излеў илажларын көрип, ол шөлкем есабына түскен сǝнеден баслап 3 жыл даўамында сақлап турыўы шǝрт. Көрсетилген мүддет тамамланғаннан кейин, шөлкем талап етип алынбаған ҳақыны бөлистирлетуғын суммаларға қосып жибериўге ямаса оны шөлкем өзи қайсы ҳуқық ийелериниң атынан ис жүргизип атырған болса, тек ғана усы ҳуқық ийелериниң келисими менен ҳǝм олардың мǝплерин гөзлеп басқа мақсетлерге қаратыўға ҳуқықлы. Шөлкемге усы Нызамның 58-статьясының биринши бөлиминиң бесинши абзацында нǝзерде тутылған ҳақыны жыйнаўға қатнаслы ўǝкилликлер бермеген ҳуқық ийелери ǝмелге асырылған бөлистириўге муўапық, оларға тийисли ҳақының төлениўи, сондай-ақ өз шығармаларын ямаса түрлес ҳуқықлар объектлерин бул шөлкем тǝрепинен пайдаланыўшыларға усынылған шǝртнамалардан алып таслаўды шөлкемнен талап қылыўға ҳуқықлы. Мүлклик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемниң жуўапкершилигинде ҳуқық ийелери менен дүзилген шǝртнамалар тийкарында ҳǝм нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин. 60-статья. Мүлклик ҳуқықларды жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемлердиң жумысын қадағалаў Мүлклик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемлердиң жумысын қадағалаў арнаўлы ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым тǝрепинен ǝмелге асырылады. Мүлклик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкем арнаўлы ўǝкилликли мǝмлекетлик уйымға төмендеги мағлыўматты усыныўы шǝрт: шөлкемниң уставына киргизилген өзгерислер ҳаққында; шөлкем усыған уқсас ҳуқықларды басқарыўшы сырт ел шөлкемлери менен дүзетуғын еки тǝреплеме ҳǝм көп тǝреплеме келисимлер ҳаққында; улыўма жыйналыстың шешимлери ҳаққында; жыллық баланс, жыллық есабат, соның ишинде талап етип алынбаған ҳақылар ҳаққындағы мағыўматлар ҳǝм шөлкемниң жумысының аудиторлық тексериўи ҳаққында; шөлкемниң атынан ис жүргизиўге ўǝкилликли шахслардың фамилиясы, аты ҳǝм ǝкесиниң аты ҳаққында. Арнаўлы ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкемнен оның жумысы өз уставына ҳǝм нызам ҳүжжетлерине муўапықлығын тексериў ушын зǝрүр болған қосымша мағлыўмат талап етип алыўға ҳақылы.V-БАП. АВТОРЛЫҚ ҲУҚЫҚ ҲӘМ ТҮРЛЕС ҲУҚЫҚЛАРДЫ ҚОРҒАЎ
61-статья. Авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкерлик Авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыплы болған шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады. 62-статья. Авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықларды бузыў Төмендегилер: авторлардың жеке мүлклик емес ҳуқықларын бузыў; атқарыўшының аты-фамилиясына болған ҳǝм атқарыўды ҳǝр қандай тǝризде бузып көрсетилиўинен ямаса ҳǝр қандай басқаша тǝриздеги усындай ҳǝрекетлерден қорғаў ҳуқықларын бузыў; ҳуқық ийеси ямаса мүлклик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкем менен шǝртнама дүзбестен шығармалар ямаса түрлес ҳуқықлар объектин тǝкрарлаў, тарқатыў ямаса оннан басқаша тǝризде пайдаланыў, усы Нызамға муўапық бундай пайдаланыўға шǝртнама дүзбестен жол қойылатуғын жағдайлар буған кирмейди; усы Нызамда нǝзерде тутылған жағдайларда ҳақы төлеў ҳаққындағы талапларды бузыў; шығармалардан ямаса түрлес ҳуқықлар объектлеринен ҳуқық ийеси ямаса мүлклик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкем менен дүзилген шǝртнама бойынша алынған ҳуқықларды асырып жиберген ҳалда пайдаланыў; ҳуқық ийелериниң мүлклик ҳуқықларын басқаша тǝризде бузыў авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықларды бузыў болып табылады. Шығармалардың ҳǝм түрлес ҳуқықлар объектлериниң тǝкрарланыўы ямаса тарқатылыўы авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықларды бузған ҳалда ǝмелге асырылатуғын нусқалары контрафакт нусқалар болып табылады. Усы Нызамға муўапық қорғалатуғын шығармалардың ҳǝм түрлес ҳуқықлар объектлериниң бундай шығармаларды ҳǝм түрлес ҳуқықлар объектлерин қорғаў тоқтатылған яки ҳеш қашан қорғалмаған мǝмлекетлерден ҳуқық ийелериниң келисимисиз импорт етилетуғын нусқалары да контрафакт нусқалар болып табылады. 63-статья. Авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықларды қорғаўдың техникалық қураллары Шығармалардан ямаса түрлес ҳуқықлар объектлеринен пайдаланыўды қадағалаўшы, автор, түрлес ҳуқықлар ийеси ямаса шығармаларға яки түрлсе ҳуқықлар объектлерине қатнаслы айрықша ҳуқықлардың басқа ийеси тǝрепинен рухсат етилмеген ҳǝрекетлер ǝмелге асырылыўының алдын алыўшы ямаса оларды шеклеўши ҳǝр қандай техникалық қурылмалар яки олардың жыйынды бөлеклери авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықларды қорғаўдың техникалық қураллары деп тǝн алынады. Шығармаларға ямаса түрлес ҳуқықлар объектлерине қаратылған: шығармалардан ямаса түрлес ҳуқықлар объектлеринен пайдаланыўға байланыслы авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықларды қорғаўшы техникалық қураллардың қолланылыўы жолы менен белгиленген шекелўлерди алып таслаўға қаратылған ҳǝрекетлерди усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген шахслардың рухсатысыз ǝмелге асырыўға; ҳǝр қандай қурылманы ямаса оның жыйынды бөлеклерин таярлаўға, тарқатыўға, прокатқа бериўге, ўақытша тегин пайдаланыў ушын бериўге, импорт ислеўге, реклама етиўге, олардан коммерциялық мақсетте пайдаланыўға ямаса хызмет көрсетиўге, егер бундай ҳǝрекетлер нǝтийжесинде авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықларды қорғаўдың техникалық қуралларынан пайдаланыў мүмкин болмай қалса, ямаса бундай техникалық қураллар көрсетилген ҳуқықлардың тийисли дǝрежде қорғалыўын тǝмийинлемесе, жол қойылмайды. 64-статья. Авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқық ҳаққында мǝлимлеме Шығарманы ямаса түрлес ҳуқықлар объектин, авторды, түрлес ҳуқықлар ийесин ямаса айрықша ҳуқықлардың басқа да ийесин идентификациялаўшы ҳǝр қандай мǝлимлеме ямаса шығармадан яки түрлес ҳуқықлар объектлеринен пайдаланыў шǝртлери ҳаққындағы, шығарманың ямаса түрлес ҳуқықлар объектиниң нусқасында бар болған, оларға қосымша етилген ямаса бундай шығарманы яки түрлес ҳуқықлар объектин ҳǝммениң дыққаты ушын жибериў ямаса ҳǝммениң дыққатына жеткериўге байланыслы пайда болатуғын мǝлимлеме, сондай-ақ усындай мǝлимлемени өз ишине алған ҳǝр қандай цифралар ҳǝм кодлар авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықлар ҳаққындағы мǝлимлеме деп тǝн алынады. Төмендегилерге: авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықлар ҳаққындағы мǝлимлемени усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген шахслардың рухсатысыз алып таслаў ямаса өзгертиўге; авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықлар ҳаққындағы мǝлимлемени усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген шахслардың рухсатысыз алып тасланған шығармаларды ямаса түрлес ҳуқықлар объектлерин тǝкирарлаў, тарқатыў, тарқатыў мақсетинде импорт етиў, көпшилик алдында атқарыў, ҳǝммениң дыққаты ушын жибериўге, ҳǝммениң дыққатына жеткериўге жол қойылмайды. 65-статья. Авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықларды қорғаў усыллары Автор, түрлес ҳуқықлар ийеси ямаса айрықша ҳуқықлардың басқа да ийеси ҳуқық бузыўшыдан төмендегилерди талап етиўге ҳуқықлы: ҳуқықларды тǝн алыўын; ҳуқық бузылыўынан алдыңғы жағдайды тиклеўин ҳǝм ҳуқықты бузатуғын ямаса оның бузылыўы қǝўпин жүзеге келтиретуғын ҳǝрекетлерди тоқтатыўын; ҳуқық ийесиниң ҳуқықы бузылмаған жағдайда, ол пуқаралық айланыстың ǝддеттеги шараятларында алыўы мүмкин болған, лекин ала алмай қалған дǝраматы муғдарындағы зǝлелдиң орнын қаплаўын. Егер ҳуқық бузыўшы атворлық ҳуқық ямаса түрлес ҳуқықларды бузыў ақыбетинде дǝраматлар алған болса, ҳуқық ийелери басқа зǝлеллер менен бир қатарда қолдан жиберилген пайданы бундай дǝраматлардан кем болмаған муғдарда қаплаўын; зыянлар келтирилиўи фактине қарамастан, ҳуқықбузарлықтың өзгешелиги ҳǝм ҳуқықбузардың айыбы дǝрежесинен келип шығып, ис айланысы қағыйдаларын есапқа алған ҳалда зыянның орнын өтеў орнына базалық есаплаў муғдарыныӊ жигирма есесинен мыӊ есеси муғдарында төлениўи тийис болған компенсацияны төлеўин; (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) усы Нызамда белгиленген ҳуқықларын қорғаў менен байланыслы болған нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылған басқа да шаралар көриўин. Автор ҳǝм атқарыўшы өз ҳуқықлары бузылған жағдайда, ҳуқық бузыўшыдан мораллық зыян қапланыўын талап етиўге ҳуқықлы. Меншик ҳуқықларын жǝмǝǝтлик тийкарда басқарыўшы шөлкем меншик ҳуқықларын басқарыў усындай шөлкем тǝрепинен ǝмелге асырылып атырған шахслардың бузылған авторлық ҳуқықлары ҳǝм түрлес ҳуқықларын қорғап, нызамда белгиленген тǝртипте өз атынан арза менен судқа мүрǝжат етиўге ҳуқықлы. Авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықлар бузылыўының алдын алыў ямаса оны тоқтатыў ушын зǝрүр илажлар көриў нǝтийжесинде үшинши шахсларға келтирилген зыянлар, сондай-ақ бундай илажларды ǝмелге асырған шахс көрген зыянлар ҳуқық бузыўшы есабынан өндирип алыныўы тийис. 66-статья. Шығармалардың ҳǝм түрлес ҳуқықлар объектлериниң контрафакт нусқаларын конфискациялаў Шығармалардың ҳǝм түрлес ҳуқықлар объектлериниң контрафакт нусқалары, сондай-ақ, оларды таярлаўда ҳǝм тǝкирарлаўда пайдаланылатуғын материаллар ҳǝм ǝсбап үскенелер жǝне ǝмелге асырылған ҳуқық бузыўшылықтың басқа да қураллары нызам ҳүжжетлдерине муўапық суд тǝртибинде конфискация етиледи. Шығармалардың ҳǝм түрлес ҳуқықлар объектлериниң конфискацияланған контрафакт нусқалары жоқ етилиўи тийис, оларды ҳуқық ийесиниң өтинишине муўапық тапсырыў жағдайлары буған кирмейди.VI-БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕ
67-статья. Тартысларды шешиў Авторлық ҳуқық ҳǝм түрлес ҳуқықлар саласындағы тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте шешиледи.