ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакциядағы)
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 30.12.2017-ж. 167/XIX-санлы ҚР Нызамы 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 29.06.2019-ж. 258/XXVI-санлы ҚР Нызамы 16.12.2019-ж. 282/XXIX-санлы ҚР Нызамы 18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамы 19.12.2020-ж. 77/ХI-санлы ҚР Нызамы 28.12.2020-ж. 88/ХII-санлы ҚР Нызамы 30.06.2021-ж. 152/ХХ-санлы ҚР Нызамы 07.04.2022-ж. 209/XXVII-санлы ҚР Нызамы 13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР НызамыI УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң (буннан кейин текстте Жоқарғы Кеңес деп жүритиледи) статусын белгилеў, Жоқарғы Кеңес жумысын шөлкемлестириўге ҳәм оның басқа мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара бирге ислесиўине байланыслы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Жоқарғы Кеңес Жоқарғы Кеңес жоқары мәмлекетлик ўәкиллик уйымы болып, нызам шығарыўшы ҳәкимиятты әмелге асырады. Жоқарғы Кеңес – бир палаталы уйым, алпыс бес депутаттан ибарат. Жоқарғы Кеңестиң алпыс бес депутаты бир мандатлы сайлаў округлары бойынша көппартиялық тийкарында улыўма, тең ҳәм туўрыдан-туўры сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен сайланады. Жоқарғы Кеңес жумысының турақлылығы ҳәм нәтийжелилиги Жоқарғы Кеңес сессиясы, Президиумы, комитетлери, комиссиялары ҳәм депутатларының жумысы менен тәмийинленеди. 3-статья. Жоқарғы Кеңес жумысының ҳуқықый тийкарлары Жоқарғы Кеңестиң жумыс тәртиби Карақалпақстан Республикасы Конституциясы, усы Нызам ҳәм басқа нызамлар менен белгиленеди. 4-статья. Жоқарғы Кеңеске сайлаў Жоқарғы Кеңеске сайлаў өткериў тәртиби Қарақалпақстан Республикасының Сайлаў ҳаққындағы Нызамы ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. (16.12.2019-ж 282/XXIX –санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 5-статья. Жоқарғы Кеңестиң ўәкиллик мүддети Жоқарғы Кеңестиң ўәкиллик мүддети бес жыл. Өз ўәкиллик мүддети питкеннен соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жаңа шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жумысы басланғанға шекем өз жумысын даўам етеди. 6-статья. Жоқарғы Кеңестиң депутаты Сайлаў күни жигирма бес жасқа толған ҳәмде кеминде бес жыл Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағында турақлы жасап атырған Өзбекстан Республикасы пуқарасы Жоқарғы Кеңес депутаты болыўы мүмкин. Жоқарғы Кеңес депутаты қол қатылмаслық ҳуқықынан пайдаланады. Ол Жоқарғы Кеңестиң келисимисиз, Жоқарғы Кеңес сессиялары аралығындағы дәўирде болса, Жоқарғы Кеңес Президиумының келисимисиз жынайый жуўапкершиликке тартылыўы, услап турылыўы, қамаққа алыныўы яки суд тәртибинде берилетуғын ҳәкимшилик жазаға тартылыўы мүмкин емес. Жоқарғы Кеңес депутатына оның депутатлық жумысы менен байланыслы қәрежетлер белгиленген тәртипте қапланады. Жоқарғы Кеңес депутатының ўәкилликлери нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте мүддетинен алдын тоқтатылыўы мүмкин. Жоқарғы Кеңестиң депутатлары Жоқарғы Кеңесте турақлы тийкарда ислеўи мүмкин. Жоқарғы Кеңесте турақлы тийкарда ислеўши депутатлар депутатлық ўәкилликлери дәўиринде илимий ҳәм педагогикалық жумыстан тысқары ис ҳақы төленетуғын басқа түрдеги жумыс пенен шуғылланыўы мүмкин емес. Жоқарғы Кеңес депутатының статусы «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы менен белгиленеди. (13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 7-статья. Жоқарғы Кеңес ҳүжжетлери Жоқарғы Кеңес өзиниң ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша нызамлар, қарарлар ҳәм басқа да актлер қабыл етеди. Жоқарғы Кеңес декларация, шақырық, билдириўлер қабыл етиўи мүмкин, олар Жоқарғы Кеңестиң қарары менен рәсмийлестириледи. Жоқарғы Кеңес қарарлары, усы Нызамда нәзерде тутылғанынан тысқары жағдайларда, Жоқарғы Кеңестиң ағзаларының улыўма санының көпшилик даўысы менен қабыл етиледи.II ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСТИҢ ЎӘКИЛЛИКЛЕРИ ҲӘМ ЖУМЫСЫНЫҢ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ФОРМАЛАРЫ
8-статья. Жоқарғы Кеңестиң айрықша ўәкилликлери Жоқарғы Кеңестиң айрықша ўәкилликлери төмендегилерден ибарат: 1) Қарақалпақстан Республикасы Конституциясын қабыл етиў, оған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў; 2) Қарақалпақстан Республикасы нызамларын қабыл етиў, оларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, Қарақалпақстан Республикасы Нызамларына түсиник бериў; 3) экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўдың келешекке мөлшерленген бағдарламаларын қабыл етиў; 4) Жоқарғы Кеңес Президиумын, комитетлер ҳәм комиссияларын дүзиў; 5) Жоқарғы Кеңес Баслығын ҳәм оның орынбасарын, комитетлер ҳәм комиссиялардың баслықларын сайлаў; 6) Жоқарғы Кеңес Баслығының Өзбекстан Республикасы Президенти менен келисилген Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң (буннан былай текстте Министрлер Кеңеси деп жүргизиледи) Баслығы кандидатурасын тастыйықлаў ҳаққындағы усынысына муўапық Министрлер Кеңеси Баслығын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў; 7) Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары ҳәм Министрлер Кеңесиниң ағзаларын лаўазымына тайынлаў ҳәм босатыў; 8) Қарақалпақстан Республикасы министрликлерин, мәмлекетлик комитетлерин ҳәм басқа мәмлекетлик басқарыў уйымларын дүзиў ҳәм сапластырыў; 9) Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетин сайлаў; 10) Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ баслығы ҳәм баслықтың орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығы ҳәм орынбасары лаўазымларына сайлаў; (28.12.2020-ж. 88/XII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 11) Қарақалпақстан Республикасы судының судьяларын, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьяларын ҳәмде пуқаралық ислери бойынша районлараралық ҳәм районлық судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судлары, районлараралық экономикалық судлары, районлараралық ҳәкимшилик судлары баслықлары, орынбасарлары ҳәм судьяларын тайынлаў; (28.12.2020-ж. 88/XII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 12) Қарақалпақстан Республикасы судының баслығын ҳәм баслықтың орынбасарларын, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы ҳәм баслығыныӊ орынбасарын, судьяларын лаўазымынан босатыў; (28.12.2020-ж. 88/XII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 13) Жоқарғы Кеңес Президиумының усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Прокурорын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў; 14) Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў; (30.12.2017-ж. 167/XIX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 15) халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң қарарларын тоқтатып қойыў ҳәм бийкарлаў; 16) районлар, қалаларды шөлкемлестириў, сапластырыў, олардын атамаларын ҳәм шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселелерди көрип шығыў; 17) республикалық ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары системасын ҳәм ўәкилликлерин белгилеў; 18) Министрлер Кеңесиниң структурасы, оның хызметкерлериниң штатлары ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фондын тастыйықлаў; 19) жергиликли салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң ставкаларын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарлар шеңберинде белгилеў; 20) Министрлер Кеңесиниң усынысына муўапық Қарақалпақстан Республикасы бюджетин қабыллаў ҳәм оның орынланыўы үстинен қадағалаў; (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 21) Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң қәрежетлерине өзгерислер киргизиў; 22) республиканың социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўының ең зәрүр ҳәм әҳмийетли мәселелери бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының есабатын тыңлаў ҳәм додалаў; 23) ҳүкимет ағзаларының өз жумысына байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемесин тыңлаў; (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 24) Район, қала ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаўы мүмкин; (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 25) Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары ҳәм ҳүрметли атақларын шөлкемлестириў; 26) Жоқарғы Кеңес ҳәм жергиликли ўәкилликли уйымларға сайлаўлар тайынлаў, Орайлық сайлаў комиссиясын дүзиў; 27) Өзбекстан Республикасының жоқары мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары ҳүжжетлериниң Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықлығы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Конституциялық судына усыныслар киргизиў; 28) депутатты қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы мәселелерди қарап шығыў; 29) пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў; (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 30) Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының, Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығының есабатларын тыңлаў; (8-статьяныӊ отызыншы бәнтине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық өзгерислер киргизилген) 31) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси бир жылда кеминде бир мәрте өз сессияларында Қарақалпақстан Республикасы суды баслығыныӊ ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығының пуқаралар ҳуқуқларын ҳәм еркинликлерин, соның менен бирге кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқуқлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғаўды әмелге асырыўға байланыслы жумыслары ҳаққында мәлимлемесин тыңлайды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси усы мәселе бойынша қабыл етилген қарарды Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесине жибереди; (28.12.2020-ж. 88/XII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 32) Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри ҳәр ярым жыллық жуўмақлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине орынлардағы норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары ҳаққында мәлимлеме киритеди. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң мәлимлемесин тыңлаў жуўмақлары бойынша тийисли қарар қабыл етилип, қарар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине жибериледи. (29.06.2019-ж. 258/XXVI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 33) парламент қадағалаўын әмелге асырыў; 34) Жоқарғы Кеңес Регламентин ҳәмде өз жумысын шөлкемлестириў, Жоқарғы Кеңестиң ишки тәртип қағыйдалары менен байланыслы мәселелер бойынша басқа шешимлерди қабыл етиў. Лаўазымлы шахсларды Жоқарғы Кеңес тәрепинен сайлаў, тайынлаў ҳәмде оларды лаўазымнан босатыў тәртиби Жоқарғы Кеңес Регламентинде белгиленеди. 9-статья. Жоқарғы Кеңес сессиясы Жоқарғы Кеңес жумысының шөлкемлестириў формасы оның сессиясы болып есапланады. Жоқарғы Кеңес сессиясы зәрүрликке қарап, бирақ жылына кеминде еки мәрте өткериледи. Жоқарғы Кеңестиң биринши сессиясы Жоқарғы Кеңес қуралғаннан кейин еки айдан кешиктирмей Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен шақырылады. Жоқарғы Кеңестиң биринши сессиясын Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы ашады ҳәм Жоқарғы Кеңес Баслығы сайланғанға шекем оған басшылық етеди. Жоқарғы Кеңестиң гезексиз сессия мәжилиси Жоқарғы Кеңестиң Баслығының усынысы ямаса депутатлардың улыўма санының кеминде үштен бир бөлегиниң усынысына муўапық шақырылыўы мүмкин. Жоқарғы Кеңес сессияларында Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы, Қарақалпақстан Республикасы нызамлары, оларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызамлар ҳәмде Жоқарғы Кеңес қарарлары қабыл етиледи. Жоқарғы Кеңес ҳәм оның уйымлары мәжилислеринде Өзбекстан Республикасы Президенти, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Баслықлары ҳәм орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм оның орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасының министрлери, мәмлекетлик комитетлериниң баслықлары, басқа мәмлекетлик басқарыў уйымларының басшылары ҳәм Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы, орынбасары ҳәм ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры қатнасыўы мүмкин. (28.12.2020-ж. 88/XII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Жоқарғы Кеңес сессиясына мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, илимий мәкемелердиң ўәкиллери, кәнигелер ҳәм илимпазлар, баспасөз уйымларының, телевидение, радио ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери шақырылыўы мүмкин. Жоқарғы Кеңес сессиялары ашық ҳәм жәриялы өткериледи. Зәрүр болғанда, Жоқарғы Кеңес сессия мәжилисин жабық түрде өткериў ҳаққында қарар қабыл етиўи мүмкин. Жоқарғы Кеңес сессияларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби Жоқарғы Кеңес Регламентинде белгиленеди. 10-статья. Парламент сораўы, депутат сораўы Жоқарғы Кеңес мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыў уйымларының лаўазымлы шахсларына нызамлардың, түрли тараўлардағы мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы мәселелери ҳәм де олардың ўәкилликлерине киретуғын басқа әҳмийетли мәселелер бойынша тийкарланылған түсиник бериў ямаса көз-қарасын баян етиў талабы менен парламент сораўын жибериўге ҳақылы. (19.12.2020-ж. 77/ХI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Жоқарғы Кеңес депутаты мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыў уйымларының лаўазымлы шахсларына, әдетте, тийисли аймақлардың мәплери менен байланыслы мәселелер бойынша тийкарланылған түсиник бериў ямаса көз-қарасын баян етиў талабы менен сораў жибериўге ҳақылы. (19.12.2020-ж. 77/ХI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыў уйымларының лаўазымлы шахслары парламент сораўына, Жоқарғы Кеңес депутаты сораўына жуўапты Жоқарғы Кеңес Регламентинде белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде береди. Парламент сораўы, Жоқарғы Кеңес депутаты сораўы өз атына жиберилген лаўазымлы шахс яки оның ўазыйпаларын ўақтынша атқарыўшы шахс тәрепинен имзаланады. (19.12.2020-ж. 77/ХI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)III. ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС БАСЛЫҒЫ ҲӘМ ОНЫҢ ОРЫНБАСАРЫ. ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС ПРЕЗИДИУМЫ, КОМИТЕТЛЕРИ ҲӘМ КОМИССИЯЛАРЫ
11-статья. Жоқарғы Кеңес Баслығы Жоқарғы Кеңес Баслығы Қарақалпақстан Республикасы Басшысы ҳәм ең жоқары лаўазымлы шахс болып табылады. Сайлаўдан кейинги биринши сессия мәжилисинде Жоқарғы Кеңестиң депутатлары арасынан Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен жасырын даўыс бериў арқалы депутатлардың улыўма санының көпшилик даўысы менен Жоқарғы Кеңестиң ўәкиллик мүддетине Жоқарғы Кеңес Баслығы сайланады. Жоқарғы Кеңес Баслығына талабанды усыныў ҳәм сайлаў тәртиби Жоқарғы Кеңес Регламентинде белгиленеди. Жоқарғы Кеңес Баслығы өз ўазыйпасын атқарыў дәўиринде сиясий партияға ағзалықты тоқтатып турады ҳәмде сиясий партия фракциясы (буннан былай текстте фракция деп жүритиледи) қурамына кириўи мүмкин емес. (16.12.2019-ж. 282/XXIX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) Жоқарғы Кеңес Баслығы Жоқарғы Кеңес қомитетлериниң қурамына сайланыўы мүмкин емес. Жоқарғы Кеңес Баслығы жасырын даўыс бериў арқалы Жоқарғы Кеңес депутатларының үштен еки бөлегинен көбирек даўысы менен қабыл етилген Жоқарғы Кеңес қарарына муўапық мүддетинен алдын шақырып алыныўы мүмкин. Жоқарғы Кеңес Баслығының ўәкилликлери өз жеке арзасы бойынша, сондай-ақ денсаўлығына ҳәм басқа да себеплерге байланыслы ўазыйпаларын атқара алмайтуғын жағдайларда, жасырын даўыс бериў арқалы Жоқарғы Кеңес депутатларының көпшилик даўысы менен қабыл етилген Жоқарғы Кеңес қарарына муўапық мүддетинен алдын тоқтатылыўы мүмкин. (19.12.2020-ж. 77/ХI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Бундай жағдайларда 2 ай мүддет ишинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жаңа Баслығын сайлаў өткериледи. (19.12.2020-ж. 77/ХI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Жоқарғы Кеңес Баслығы өз ўәкиллигине киретуғын мәселелер бойынша бийликлер шығарады. 12-статья. Жоқарғы Кеңес Баслығының ўәкилликлери Жоқарғы Кеңес Баслығы: 1) Қарақалпақстан Республикасының жоқары нызам шығарыў ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымларының өз-ара байланыслы ҳәрекет етиўин тәмийинлейди; 2) Жоқарғы Кеңес ҳәм оның Президиумы мәжилислерин шақырады, оларда басшылық етеди; 3) Жоқарғы Кеңес додалаўына киргизилетуғын мәселелерди таярлаўға улыўма басшылық етеди; 4) республикадағы жағдай ҳаққында ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша Жоқарғы Кеңеске баянатлар усынады; 5) Өзбекстан Республикасының нызамлары ҳәм Олий Мажлис палаталарының басқа да шешимлерин, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманларын ҳәм басқа да актлерин турмысқа асырыўды шөлкемлестиреди; 6) нызам жойбарларын ҳәм мәмлекетлик турмыстың басқа да әҳмийетли мәселелериниң улыўма халықлық додаланыўын шөлкемлестиреди; 7) Жоқарғы Кеңес қабыл еткен нызамлар, қарарлар ҳәм Жоқарғы Кеңес Президиумының қарарларына қол қояды; (19.12.2020-ж. 77/ХI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 8) Қарақалпақстан Республикасы нызамлары ҳәм Жоқарғы Кеңес қарарларының орынланыўын қадағалаўды шөлкемлестиреди; 9) Жоқарғы Кеңеске Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары, Жоқарғы Кеңестиң комитетлери ҳәм комиссиялары баслықларын сайлаў ушын кандидатуралар усынады; 10) Жоқарғы Кеңес комитетлери ҳәм комиссияларының жумысын муўапықластырып барады; 11) парламентлер аралық байланысларды әмелге асырыў жумысына басшылық етеди; 12) халық депутатлары жергиликли Кенеслериниң қарарларын тоқтатып қойыў ҳәм бийкарлаў мәселеси бойынша Жоқарғы Кеңес сессиясына усыныс киргизеди; 13) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң структурасын, оның ҳызметкерлериниң штатлары ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фондын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе бойынша Жоқарғы Кеңес сессиясына усыныс киргизеди; 14) Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Жоқарғы Кеңеске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымына кандидатура усынады; 15) район, қала ҳәкимлерин ҳәм олардың орынбасарларын, кейин ала тийисли халық депутатлары Кеңеслериниң тастыйықлаўы менен тайынлайды ҳәм лаўазымынан босатады; 16) район, қала ҳәкимлерин ҳәм олардың орынбасарларын хошаметлейди, сондай-ақ оларға интизамий шара қолланады; 17) Жоқарғы Кеңеске Жоқарғы Кеңес Президиумының келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы, орынбасары ҳәм ағзаларының лаўазымына кандидатураларды усынады; 18) Жоқарғы Кеңеске Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы ҳәм орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы ҳәм орынбасары лаўазымларына кандидатуралар усынады; (28.12.2020-ж. 88/XII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 19) Жоқарғы Кеңеске Жоқарғы Кеңес Президиумының келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы лаўазымына кандидатураны усынады; (30.12.2017-ж. 167/XIX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 20) Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақларына усынады; 21) судланған пуқараларды әпиў етиў ҳаққында мәселе қозғайды; 22) Жоқарғы Кеңестиң баспасөз уйымының уставын ҳәм редакциялық коллегиясының қурамын ҳәм де оның жумыс ислеўи ушын керекли қәрежетлер сметасын тастыйықлайды; 23) Жоқарғы Кеңестиң баспасөз уйымының бас редакторын тайынлайды ҳәм оны лаўазымынан босатады; 24) ҳәрекеттеги нызамлар менен нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады. Жоқарғы Кеңес Баслығы өз ўәкилликлерине тийисли мәселелерди Жоқарғы Кеңес Президиумы додалаўына киргизиўге ҳақылы. 13-статья. Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Жоқарғы Кеңес депутатлары жасырын даўыс бериўи арқалы депутатлардың улыўма санының көпшилик даўысы менен Жоқарғы Кеңестиң ўәкиллиги мүддетине сайланады. Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасарлығына кандидатураны усыныў ҳәм сайлаў тәртиби Жоқарғы Кеңес Регламентинде белгиленеди. Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары өз ўазыйпаларын атқарыў дәўиринде сиясий партияларға ағзалықты тоқтатып турады. Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Жоқарғы Кеңес комитетлериниң қурамына сайланыўы мүмкин емес. Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы менен оның айырым ўазыйпаларын атқарады ҳәм Жоқарғы Кеңес Баслығы жоқлығында ямаса ол өз ўазыйпаларын әмелге асырыўы мүмкин болмаған жағдайларда оның ўазыйпасын атқарып турады. 14-статья. Жоқарғы Кеңес Президиумы Жоқарғы Кеңестиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Жоқарғы Кеңес Президиумы дүзиледи. Жоқарғы Кеңес Президиумы сессиялар аралығында зәрүрлигине қарап айына бир мәрте шақырылады. Жоқарғы Кеңес Президиумының қурамына Жоқарғы Кеңес Баслығы, оның орынбасары, комитетлер ҳәм де комиссиялардың баслықлары, Жоқарғы Кеңестеги депутатлық фракциялардың баслықлары киреди. Жоқарғы Кеңес Президиумы өз ўәкиллигине киретуғын мәселелер бойынша ағзаларының улыўма санының көпшилик даўысы менен қарарлар қабыл етеди. 15-статья. Жоқарғы Кеңес Президиумының ўәкилликлери Жоқарғы Кеңес Президиумы: 1) Жоқарғы Кеңес сессиясының күн тәртиби ҳәм жумыс тәртиби бойынша усыныслар таярлайды; 2) Жоқарғы Кеңес комитетлери менен комиссияларының жүргизип атырған жумысы ҳаққында билдириўлерин, Қарақалпақстан Республикасы нызамларының ҳәм Жоқарғы Кеңестиң қарарларының орынланыўы бойынша мәлимлемелерин тыңлайды; 3) нызам жойбарлары бойынша жумыстың жобаластырылыўын шөлкемлестиреди; 4) Жоқарғы Кеңес Баслығының усынысы менен нызам жойбарларын ҳәм басқа да ҳүжжетлерди дәслепки тәризде көрип шығады; 5) Жоқарғы Кеңестиң сессиясында депутатлардың билдирген усыныс ҳәм пикирлерин талқылайды ҳәм олар бойынша тийисли қарарлар қабыл етеди; 6) Жоқарғы Кеңестиң сессиялары аралығындағы дәўирде жергиликли салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң ставкаларын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарлар шеңберинде белгилейди; 7) Жоқарғы Кеңестиң сессиялары аралығындағы дәўирде бюджеттиң қәрежетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселени қарап шығады. 8) Жоқарғы Кеңестиң сессиялары аралығындағы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң тийисли дәўирдеги орынланыўы ҳаққындағы есабатты ҳәр шеректе көрип шығады ҳәм тастыйықлайды; 9) Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықлайды ҳәм Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақларын береди; 10) Жоқарғы Кеңестиң сессиялары аралығындағы дәўирде Министрлер Кеңеси Баслығының усынысы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарларын, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ағзаларын тайынлайды ҳәм лаўазымнан босатады, Қарақалпақстан Республикасы министрликлерин, мәмлекетлик комитетлерин, басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымларын дүзеди ҳәм сапластырады; 11) Жоқарғы Кеңеске Өзбекстан Республикасы Бас Прокурорының келисими менен Қарақалпақстан Республикасының Прокуроры лаўазымына кандидатура усынады; 12) Жоқарғы Кеңестиң сессиялары аралығындағы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы судының судьяларын, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьяларын ҳәм пуқаралық ислери бойынша районлараралық ҳәм районлық судлары жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судлары, районлараралық экономикалық судлары, районлараралық ҳәкимшилик судлары баслықлары, орынбасарлары ҳәм судьяларын тайынлайды; (28.12.2020-ж. 88/XII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 13) Жоқарғы Кеңестиң сессиялары аралығындағы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы судының судьяларын, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьяларын ҳәмде пуқаралық ислери бойынша районлараралық ҳәм районлық судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судлары, районлараралық экономикалық судлары, районлараралық ҳәкимшилик судлары баслықлары, орынбасарлары ҳәм судьяларының ўәкилликлерин мүддетинен алдын тоқтатыў ҳаққындағы мәселени қарап шығады; (28.12.2020-ж. 88/XII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 14) Жоқарғы Кеңестиң сессиялары аралығындағы дәўирде районларды, қалаларды дүзиў, сапластырыў, олардың атамасын ҳәм шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселени қарап шығады; 15) Жоқарғы Кеңестиң сессиялары аралығындағы дәўирде Жоқарғы Кеңес ҳәм жергиликли ўәкилликли уйымларына сайлаў тайынлаў ҳаққындағы мәселени қарап шығады; 16) Жоқарғы Кеңестиң сессиялары аралығындағы дәўирде Жоқарғы Кеңестиң пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәмде өткериўге көмеклесиўши комиссиясын дүзиў мәселесин қарап шығады; (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 17) Жоқарғы Кеңестиң сессиялары аралығындағы дәўирде Жоқарғы Кеңес депутатын нызам менен белгиленген жағдайларда ҳәм тәртипте жуўапкершиликке тартыўға келисим береди; (13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 18) Жоқарғы Кеңестиң сессиялары аралығындағы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығын лаўазымға тайынлайды ҳәм лаўазымынан босатады; (30.12.2017-ж. 167/XIX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 19) Жоқарғы Кеңестиң жумысына ҳәм депутатлардың өз ўәкилликлерин нәтийжели әмелге асырыўына байланыслы басқа да мәселелерди қарап шығады. Жоқарғы Кеңес Президиумы сессиялар аралығындағы дәўирде қабыл етилген қарарларын Жоқарғы Кеңес сессиясына тастыйықлаў ушын усынады. 16-статья. Жоқарғы Кеңес комитетлери ҳәм комиссияларын сайлаў Нызам жойбарларын таярлаў жумысларын алып барыў, Жоқарғы Кеңес додалаўына киргизилетуғын мәселелерди дәслепки тәризде қарап шығыў ҳәм таярлаў, Қарақалпақстан Республикасы нызамлары ҳәмде Жоқарғы Кеңес тәрепинен қабыл етилетуғын қарарлардың орынланыўын қадағалаў ушын Жоқарғы Кеңес дүзилгеннен кейин оның ўәкиллик мүддетине депутатлар арасынан баслық, оның орынбасары ҳәм ағзалардан ибарат қурамда комитетлер (комиссия) сайланады. (19.12.2020-ж. 77/ХI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Комитет (комиссия) баслығы, оның орынбасары ҳәм комитет ағзалары лаўазымлары депутатлардың қайсы партия яки топарға тийислилигин ҳәмде сайлаў жуўмақлары бойынша алынған депутатлық орынларын есапқа алған ҳалда улыўма қарар менен белгиленеди. Комитет баслығы, оныӊ орынбасары ҳәм комитет ағзалары лаўазымларына талабанларды көрсетиў бойынша усынысларды фракциялардыӊ басшылары менен келисилген ҳалда киритиледи. (19.12.2020-ж. 77/ХI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Жоқарғы Кеңес комитетлериниң (комиссияларының) барлық ағзалары тең ҳуқықлардан пайдаланады. Комитет (комиссия) қурамына сайланбаған депутатлар оның жумысында мәсләҳәт даўысы ҳуқықы менен қатнасыўға ҳақылы. Жоқарғы Кеңес комитетлери (комиссиялары) Жоқарғы Кеңес алдында жуўапкерли ҳәм оған есап береди. 17-статья. Жоқарғы Кеңес комитетлери ҳәм комиссияларының ўәкилликлери Жоқарғы Кеңес комитетлери (комиссиялары): 1) Жоқарғы Кеңес, оның Баслығы, Президиумының тапсырмалары ямаса өзиниң басламасы тийкарында өзлериниң ўәкиллигине тийисли мәселелер бойынша нызамлардың ҳәм Жоқарғы Кеңестиң басқа қарарларының жойбарларын ислеп шығады; 2) нызам жойбарларының дәслепки тәризде қарап шығылыўын ҳәм оларды Жоқарғы Кеңесте қарап шығыўға таярлаўды әмелге асырады; 3) нызамды сессия мәжилиси күн тәртибине киргизиў ямаса оның үстинде ислеўди даўам еттириў ямаса тийкарланған ҳалда оны қайтарыў ҳаққында Президиумға усыныслар киргизеди; 4) Жоқарғы Кеңес тәрепинен қайтарылған нызам жойбарына тийкарланған жуўмақ береди ҳәм қайта қарап шығыў ушын Жоқарғы Кеңес сессиясына усынады. (13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 5) Қарақалпақстан Республикасының бюджети жойбары бойынша жуўмақлар ҳәм усыныслар береди; 6) Жоқарғы Кеңестиң тапсырмасына ямаса Жоқарғы Кеңес Президиумының усынысына муўапық белгили бир нызам жойбары ямаса Жоқарғы Кеңес ўәкилликлерине киретуғын басқа мәселе бойынша жуўапкер болады; 7) комитетлер (комиссиялар) ислеп шыққан, сондай-ақ нызам шығарыў басламасы тийкарында киргизилген нызамларды қарап шығыў бойынша исши топарларды дүзеди, олардың қурамына мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, илимий мәкемелердиң ўәкиллерин, қәниге ҳәм илимпазларды, ҳожалық жүритиўши субъектлердиң басшыларын қатнастырады; 8) нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлери ўәкиллериниң олар тәрепинен киргизилген нызам жойбарына байланыслы мәселелер бойынша пикирлерин тыңлайды; 9) киргизилген Қарақалпақстан Республикасының нызамлары, сондай-ақ Жоқарғы Кеңес тәрепинен қабыл етилген қарарлар текстине өзгерис ямаса қосымшалар киргизиў бойынша усыныслар таярлайды; 10) мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерден, лаўазымлы шахслардан ҳүжжетлерди, эксперт жуўмақлары, статистикалық мағлыўматлар ҳәм басқа мағлыўматларды талап етип алады; 11) мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў уйымлары басшыларының Қарақалпақстан Республикасының нызамлары, Жоқарғы Кеңестиң шешимлери ҳәмде комитетлердиң қарарлары олар тәрепинен қалай орынланып атырғанлығы ҳаққындағы мәлимлемелерин тыңлайды. (2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы ҚР Нызамына муўапық өзгерислер киргизилген) 11) мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары тәрепинен нызамлардың, Жокарғы Кеңес қарарларының орынланыў жағдайы, ҳуқықты қолланыў әмелиятын ўақты-ўақты менен орынларға шығып үйренеди. (2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы ҚР Нызамына муўапық өзгерислер киргизилген) 18-статья. Жоқарғы Кеңес комитетлери ҳәм комиссияларының жумысын шөлкемлестириў Жоқарғы Кеңес комитетлери (комиссиялары) жумысын өз режелерине, сондай-ақ Жоқарғы Кеңес, оның Баслығы ҳәм Президиумының тапсырмалары ҳәмде усынысларына муўапық шөлкемлестиреди. Жоқарғы Кеңес комитетлериниң (комиссияларының) жумыс тәртиби Жоқарғы Кеңес Регламентинде белгиленеди. 19-статья. Жоқарғы Кеңес комитетлери ҳәм комиссияларының мәжилислери Жоқарғы Кеңес комитетлериниң (комиссияларының) мәжилислери зәрүрлигине қарай шақырылады ҳәм өткизиледи. Жоқарғы Кеңес комитетлериниң (комиссияларының) мәжилислери, егер оларда комитет ағзаларының кеминде ярымы қатнасса, ўәкилликли болып есапланады. Жоқарғы Кеңес комитетлериниң (комиссияларының) мәжилислери ашық өткериледи. Зәрүрлик пайда болғанында Жоқарғы Кеңес комитетлери (комиссиялары) жабық мәжилис өткериў ҳаққында шешим қабыл етиўи мүмкин. Комитетлердиң (комиссиялардың) мәжилислерине мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, илимий мәкемелердиң ўәкиллери, қәнигелер ҳәм илимпазлар, баспасөз уйымларының, телевидение, радио ҳәмде басқа ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери шақырылыўы мүмкин. 20-статья. Жоқарғы Кеңес комитетлери ҳәм комиссияларының шешимлери Жоқарғы Кеңес комитетлери (комиссиялары) қарап шығып атырған мәселелер бойынша комитеттиң (комиссияның) жәми ағзаларының көпшилик даўысы менен шешимлер қабыл етеди. Жоқарғы Кеңес комитетлериниң (комиссияларының) мәмлекетлик уйымларға жиберилген шешимлери олар тәрепинен қарап шығылыўы шәрт, нәтийжелери ямаса көрилген илажлар ҳаққында, егер шешимде басқа мүддет белгиленген болмаса, көби менен бир айдан кешиктирмей мәлимлеме берилиўи керек. 21-статья. Жоқарғы Кеңестиң ўақытша комиссиялары Жоқарғы Кеңес анық ўазыйпаларды орынлаў ушын ўақытша комиссиялар дүзиўи мүмкин. Комиссиялар Жоқарғы Кеңес мәжилисинде Жоқарғы Кеңес депутатлары арасынан дүзиледи. Сол ўақыттың өзинде комиссияны дүзиўден гөзленген мақсет ҳәм оның ўәкилликлери белгиленеди. Комиссиялар өзлерине жүкленген ўазыйпаларды орынлағаннан соң ямаса Жоқарғы Кеңестиң қарарына муўапық мүддетинен алдын өз жумысын тоқтатады. Комиссияларды шөлкемлестириў ҳәм олардың жумысының тәртиби Жоқарғы Кеңес Регламентинде белгиленеди. 22-статья. Жоқарғы Кеңес комитетлери жанында экспертлик топарларын дүзиў Нызам жойбарларын ислеп шығыўға ҳәм додалаўға, қадағалаў-таллаў илажларын таярлаўға ҳәм өткериўге көмеклесиў мақсетинде Жоқарғы Кеңес комитетлери жанында экспертлик топарлары дүзиледи. 23-статья. Қоспа мәжилислерди өткериў Аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелерин ҳәм ең әҳмийетли машқалаларды додалаў мақсетинде Жоқарғы Кеңес комитетлери (комиссиялары) ҳәм халық депутатлары Кеңесиниң қоспа мәжилислери өткерилиўи мүмкин. Жоқарғы Кеңестиң комитетлери (комиссиялары) ҳәм халық депутатлары Кеңесиниң қоспа мәжилиси ашық ҳәм жәриялы өткериледи. Жоқарғы Кеңес комитети (комиссиясы) ҳәм халық депутатлары Кеңесиниң қоспа мәжилисин шақырыў, оны өткериў ўақты, сәнеси ҳәм орны ҳәм де басқа мәселелер халық депутатлары Кеңесиниң Регламентине муўапық Жоқарғы Кеңес комитетиниң (комиссиясының) баслығы ҳәм ҳәким – халық депутатлары Кеңесиниң баслығы арасында келисим бойынша шешиледи. Жоқарғы Кеңестиң комитети (комиссиясы) ҳәм халық депутатлары Кеңесиниң қоспа мәжилисинде тыңланған мәселелердиң додалаў нәтийжелери бойынша қоспа қарар қабыл етилиўи мүмкин. Бунда даўыс бериў, әдетте, өз алдына өткериледи.IV ФРАКЦИЯЛАР
24-статья. Фракциялар ҳаққында Фракция сиясий партиядан усынылатуғын депутатлар тәрепинен партия мәплерин Жоқарғы Кеңесте билдириў мақсетинде дүзилетуғын ҳәм белгиленген тәртипте дизимнен өткерилген депутатлар бирлеспеси болып есапланады. Жоқарғы Кеңес депутатының фракцияға кириўи ҳаққындағы қарар олардың мәжилислеринде қабыл етиледи. Жоқарғы Кеңестиң депутаты тек ғана бир фракцияның ағзасы болыўы мүмкин. Сиясий партиядан усынылған ҳәм Жоқарғы Кеңеске сайланған депутат тек ғана сол партия фракциясының ағзасы болыўы мүмкин. Фракциялардың шөлкемлестирилиўи ҳәм жумыс тәртиби Жоқарғы Кеңес Регламентинде белгиленеди. (16.12.2019-ж 282/XXIX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) 25-статья. Фракцияларды дүзиў тәртиби Жоқарғы Кеңестиң кеминде бес депутаты фракция дүзиў ҳуқықына ийе. Фракциялар дизимнен өтиўи керек. Жоқарғы Кеңестиң сессиясында фракцияның басшысы ямаса басқа ўәкили фракция дүзилгени ҳаққында Жоқарғы Кеңеске мәлимлеме береди, бул Жоқарғы Кеңес сессиясының протоколында көрсетилип өтиледи. Жоқарғы Кеңес фракция дүзилгени ҳаққында қарар қабыл етеди. (16.12.2019-ж 282/XXIX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) 26-статья. Фракцияның ўәкилликлери Фракция: 1) Жоқарғы Кеңес сессиясының күн тәртиби, додаланып атырған мәселелерди көрип шығыў тәртиби ҳәм мазмуны бойынша усыныслар ҳәмде пикирлер киритеди; 2) Жоқарғы Кеңес сессиясында додаланып атырған ҳәр бир мәселе бойынша жарыс сөзлерде фракция ўәкилине кепилликли түрде сөз берилиўи ҳуқықынан пайдаланады; 3) ўақытша комиссиялар дүзиў ҳаққында мәселе қояды; 4) Жоқарғы Кеңес сессиясында мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының лаўазымлы шахсларына олардың ўәкиллигине киргизилген мәселелер бойынша тийкарланған түсиндириў бериў ямаса көз-қарасын баян етиў талабы менен мүрәжат етеди; 5) Жоқарғы Кеңес сессиясында додаланып атырған мәселе бойынша фракцияның пикирин Жоқарғы Кеңес депутатлары арасында тарқатады; 6) Жоқарғы Кеңес Президиумы, комитетлери ҳәм комиссияларының жумысында қатнасады; 7) Жоқарғы Кеңесте додаланып атырған нызам жойбарлары ҳәм басқа да қарарлардың жойбарлары бойынша өз усынысларын киргизеди; 8) ҳүкимет ағзаларын олардың жумысы мәселелери бойынша тыңлаў ҳаққында мәселе қояды; 9) фракцияның жумысы ушын зәрүрли материаллар ҳәм ҳүжжетлерди мәмлекетлик уйымлар ҳәмде олардың лаўазымлы шахсларынан талап етип алады; 10) нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады. 27-статья. Парламенттеги көпшилик, фракциялардың блокқа бирлесиўи Жоқарғы Кеңесте көпшилик орынды ийелеген фракция парламенттеги көпшиликти қурайды. Өз бағдарламалық мақсетли ўазыйпаларының жақынлығынан яки сәйкеслигинен келип шыққан ҳалда блок дүзетуғын бир неше фракциялар да парламенттеги көпшиликти қураўы мүмкин. Фракциялардың блокқа бирлесиўи нызамда нәзерде тутылған ҳуқықларды әмелге асырыўда олардың ғәрезсизлигин шеклеп қоймайды. 28-статья. Фракцияның жумысын тоқтатыў Фракцияның жумысы төмендеги жағдайларда тоқтатылады: 1) фракцияның өз басламасы менен; 2) Жоқарғы Кеңестиң ўәкиллик мүддети тамамланғанда; 3) фракция қурамына кириўши депутатлар саны оны дүзиў ушын зәрүр болған муғдар шегарасынан кемейип кеткенде. Бул статьяның биринши бөлиминде көрсетилген жағдайлардан тысқары, тийисли сиясий партияның жумысы тоқтатылғанда да фракция тарқатып жибериледи. 29-статья. Жоқарғы Кеңестеги депутатлар топары Жоқарғы Кеңестиң қарап шығыўы ушын усынылған айырым әҳмийетли мәселелерди алдын-ала додалаў ушын Жоқарғы Кеңестиң депутатлары депутатлық топарларға өз ерки менен бирлесиўи мүмкин. Ҳәр бир депутатлар топары додаланған мәселе бойынша Жоқарғы Кеңеске улыўмаластырылған пикир ҳым усынысларын билдириўге ҳақылы.V. НЫЗАМ ЖОЙБАРЛАРЫН ҚАРАП ШЫҒЫЎ
30-статья. Нызамшылық басламасы Жоқарғы Кеңесте нызамшылық басламасы ҳуқықына Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети, Қарақалпақстан Республикасы суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, Қарақалпақстан Республикасының Прокуроры ийе ҳәм бул ҳуқық нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлери тәрепинен нызам жойбарын Жоқарғы Кеңеске киргизиў арқалы әмелге асырылады. (28.12.2020-ж. 88/XII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Жоқарғы Кеңес депутатлары қәнигелестирилиўи бойынша Жоқарғы Кеңес қурамында дүзилген комитетлерге сайланыўы ҳәм өз жумысын комитет қурамында әмелге асырыўы себепли нызамлардың жойбарлары ҳәм нызам шығарыў ҳаққындағы усыныс Жоқарғы Кеңес комитетлери тәрепинен де киргизилиўи мүмкин. 31-статья. Нызам жойбарларының Жоқарғы Кеңес комитети тәрепинен дәслепки тәризде қарап шығылыўы Нызам жойбары Жоқарғы Кеңеске киргизилгенинен кейин Жоқарғы Кеңес Регламентинде белгиленген тәртипте Жоқарғы Кеңес Президиумы оны дәслепки тәризде қарап шығыўды әмелге асыратуғын жуўапкер комитетти белгилейди. Нызам жойбарын дәслепки тәризде қарап шығыўда фракциялар қатнасыўға ҳақылы. Нызам жойбарын дәслепки тәризде қарап шығыў нәтийжелери тийкарында жуўапкер комитет оны Жоқарғы Кеңес сессиясының күн тәртибине киргизиў яки нызам жойбарын киргизген уйымға (шахсқа) қайтарыў ҳаққында Жоқарғы Кеңес Президиумы алдына мәселе қояды. Егер киргизилген нызам жойбары "Нызамлар жойбарларын таярлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине киргизиў тәртиби ҳаққында"ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы, "Норматив-ҳуқықый актлер ҳаққында"ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы ҳәм Жоқарғы Кеңес Регламентине муўапық болмаса, Жоқарғы Кеңес Президиумы нызам жойбарын нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектине қайтарыў ҳаққында қарар қабыл етиўи мүмкин. 32-статья. Нызамның Жоқарғы Кеңес тәрепинен қабыл етилиўи Жоқарғы Кеңес нызам жойбарын, әдетте, бир неше оқыўда қарап шығады. Нызам Жоқарғы Кеңес тәрепинен депутатлардың улыўма санының көпшилик даўысы менен қабыл етиледи. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясын қабыл етиў, оған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, конституциялық нызамды қабыл етиў ҳәмде оған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ушын Жоқарғы Кеңес депутатлары улыўма санының үштен еки бөлегинен ибарат көпшилик даўысы талап етиледи. Даўыс бериў ашық ямаса жасырын болыўы мүмкин. Даўыс бериўдиң түри ҳәм усылы ҳаққындағы қарар Жоқарғы Кеңес тәрепинен Жоқарғы Кеңес сессиясында қатнасқан депутатлардың көпшилик даўысы менен ашық даўыс бериў арқалы қабыл етиледи. 33-статья. Нызамды имзалаў ҳәм оны жәриялаў Қарақалпақстан Республикасы нызамлары Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен имзаланады. Қарақалпақстан Республикасының қабыл етилген, Жоқарғы Кеңес Баслығы имза қойған нызамының тексти жәриялаў ушын жибериледи.VI ЖУЎМАҚЛАЎШЫ ҚАҒЫЙДАЛАР
34-статья. Жоқарғы Кеңес Регламенти Жоқарғы Кеңес, оның уйымлары ҳәм лаўазымлы шахслары, сондай-ақ фракциялары жумысының тәртиби Жоқарғы Кеңес Регламентинде белгиленеди. (16.12.2019-ж 282/XXIX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) 35-статья. Жоқарғы Кеңес Аппараты Жоқарғы Кеңес, оның уйымлары ҳәм депутатлар жумысының шөлкемлестириўшилик, мәлимлеме, материаллық-техникалық тәмийинлениўи Жоқарғы Кеңес Аппараты тәрепинен әмелге асырылады. Жоқарғы Кеңес Аппараты дүзилмеси, штатлары, ҳызметкерлериниң мийнет ҳақы муғдары ҳәм материаллық-техникалық тәмийинлениўи, сондай-ақ олардың жумыс ислеўи ушын зәрүр қәрежетлер Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен тастыйықланады. Жоқарғы Кеңес Аппараты хызметкерлериниң мийнет қатнасықлары Жоқарғы Кеңестиң ўәкилликли мүддетине байланыслы болмайды. Жоқарғы Кеңес Аппараты юридикалық шахс болып есапланады. Жоқарғы Кеңес Аппаратының шөлкемлестирилиўи ҳәм жумыс тәртиби Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен тастыйықланған Режеде белгиленеди. 36-статья. Жоқарғы Кеңес жумысын финанслық тәмийинлеў Жоқарғы Кеңес жумысын финанслық тәмийинлеў Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң қаржылары есабынан әмелге асырылады. 37-статья. Жоқарғы Кеңестиң баспа сөз уйымлары Жоқарғы Кеңес өзиниң баспасөз уйымларына ийе болады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Нөкис қаласы, 21-сентябрь 2016-жыл № 99/Х