Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ПАРЛАМЕНТЛИК ҚАДАҒАЛАЎ ҲАҚҚЫНДА

ПАРЛАМЕНТЛИК ҚАДАҒАЛАЎ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 29.06.2019-ж. 258/ XXVI-санлы ҚР Нызамы 19.12.2020-ж. 77/ XI-санлы ҚР Нызамы 28.12.2020-ж. 88/XII-санлы ҚР Нызамы 30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы 07.04.2022-ж. 209/XXVII-санлы ҚР Нызамы 13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамы   1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети парламентлик қадағалаўды шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Парламентлик қадағалаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Парламентлик қадағалаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Конституциялары, усы Нызам ҳәм басқа нызам ҳүжжетлеринен ибарат. 3-статья. Парламентлик қадағалаў субъектлери Парламентлик қадағалаў субъектлери төмендегилерден ибарат: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси (буннан былай текстте Жоқарғы Кеңес деп жүргизиледи); Жоқарғы Кеңес Президиумы; Жоқарғы Кеңестиң комитетлери, комиссиялары; Жоқарғы Кеңестеги сиясий партиялардың фракциялары (буннан былай текстте фракциялар деп жүргизиледи); Жоқарғы Кеңес депутатлары. 4-статья. Парламентлик қадағалаў объекти Мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының ҳәм де олардың лаўазымлы шахсларының Өзбекстан Республикасы  ҳәм Қарақалпақстан Республикасының  Конституциялары ҳәм нызамларын, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының (буннан  былай текстте Олий Мажлис палаталары деп жүргизиледи) ҳәм олардың уйымларының қарарларын, мәмлекетлик бағдарламаларды орынлаў, Жоқарғы Кеңес ҳәм оның уйымларының қарарлары ҳәм шешимлерин орынлаў, сондай-ақ өзлерине жүкленген ўазыйпалар ҳәм де функцияларды әмелге асырыў бойынша искерлиги парламентлик қадағалаў объекти есапланады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Оператив-излестириў жумысын әмелге асырыўшы уйымлардың, сорастырыў ҳәм тергеў уйымларының, судлардың ис жүргизиўиндеги белгили бир ислер ҳәм материалларды, сондай-ақ орынлаў исин жүргизиў ҳәм нотариал ис жүргизиўдиң белгили бир материалларын көрип шығыўға байланыслы болған искерлик парламентлик қадағалаўдың объекти болыўы мүмкин емес. 5-статья. Парламентлик қадағалаўдың формалары Парламентлик қадағалаўдың формалары төмендегилерден ибарат: Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетиниӊ орынланыўын қарап шығыў; (5-статьяныӊ биринши бөлими екинши абзацына Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң (буннан былай текстте Министрлер Кеңеси деп жүргизиледи) республиканың социаллық-экономикалық турмысының ең әҳмийетли мәселелери бойынша ҳәр жылғы баянатын қарап шығыў; Министрлер Кеӊеси Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатнамасынан келип шығатуғын, тийисли жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламасыныӊ орынланыўыныӊ барысы ҳаққындағы есабатын қарап шығыў; Министрлер Кеңеси Баслығының республиканың социаллық-экономикалық раўажланыўының айырым әҳмийетли мәселелери бойынша есабатын тыңлаў; Жоқарғы Кеңес сессиясында ҳүкимет ағзаларының, мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары басшыларының өз жумысына байланыслы мәселелери бойынша мәлимлемесин тыңлаў; Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының есабатын тыңлаў; Қала ҳәм район ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаў; Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығының есабатын тыңлаў; парламентлик сораў; Жоқарғы Кеңес депутатының сораўы; Жоқарғы Кеңес комитетлери тәрепинен мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары; Жоқарғы Кеңес комитетлери тәрепинен нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы жағдайын, ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў ҳәм нызам асты актлериниң қабыл етилиўи бойынша мониторингти  жүргизиў; парламентлик тексериў; (5-статьяныӊ биринши бөлими төртинши-он үшинши абзацларына Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық өзгерислер киргизилген) парламентлик қадағалаў нызамға муўапық басқа формаларда да әмелге асырылыўы мүмкин. 6-статья. (6-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық алып тасланған) 7-статья. Бюджеттиң орынланыў барысын қарап шығыў Жоқарғы Кеңес Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетиниң орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады. Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлиги Жоқарғы Кеӊеске Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетиниӊ орынланыў барысы ҳаққындағы мәлимлемени ҳәм зәрүр материалларды ҳәр шеректе жибереди. Жоқарғы Кеңес Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетиниң жылдың ҳәр шерегиндеги орынланыў барысын қарап шығады.  Оны қарап шығыў пайтында Министрлер  Кеңесиниң есабаты, фракциялардың, депутатлардыӊ пикирлери ҳәм усыныслары,  жуўапкер комитеттиң жуўмағы тыңланады, додалаў өткериледи ҳәм тийисли қарар қабыл етиледи. Министрлер Кеңеси Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетиниң орынланыўы ҳаққындағы жыллық есабатты есабат жылынан кейинги жылдың 15-апрелинен кешиктирмей Жоқарғы Кеңеске усынады. Жоқарғы Кеңес Министрлер Кеңеси тәрепинен усынылған Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетиниң орынланыўы ҳаққындағы жыллық есабатты фракциялар ҳәм Жоқарғы Кеңес комитетлеринде дәслепки тәризде додалаў тийкарында қарап шығады. Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетиниң орынланыўы барысы ҳаққындағы мәселени дәслепки тәризде додалаў барысында фракциялар ҳәм Жоқарғы Кеңес комитетлери Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетиниң дәрамат бөлегиниӊ орынланыўы бойынша, ажыратылған қаржылардың өзлестирилиўи жағдайы ҳаққында тийисли уйымлардан қосымша мағлыўматты, сондай-ақ олардың мақсетли сарыпланыўы ҳәм олардан нәтийжели пайдаланылыўы ҳаққындағы мағлыўматларды талап етип алыўы мүмкин. Бунда фракциялар, депутатлар орынларда бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўы ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў мәселелерин Жоқарғы Кеңестиң  тийисли комитети тәрепинен үйрениў басламасы менен шығыўы мүмкин. Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетиниң орынланыўы ҳаққындағы жыллық есабат фракциялар ҳәм Жоқарғы Кеңес комитетлеринде додаланғаннан кейин Жоқарғы Кеңес сессиясында қарап шығылады  ҳәм де Жоқарғы Кеңестиң қарары менен тастыйықланады. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 8-статья. Министрлер Кеңесиниң республиканың социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўының ең зәрүр ҳәм әҳмийетли мәселелери бойынша ҳәр жылғы есабатын көрип шығыў Министрлер Кеңесиниң өткен жылдағы социаллық-экономикалық раўажланыў жуўмақлары ҳәм келеси жыл ушын нәзерде тутылған тийкарғы приоритетлер ҳаққындағы ҳәр жылғы баянаты Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен Жоқарғы Кеңеске усынылады. Фракциялар, Жоқарғы Кеңес комитетлери Министрлер Кеңесиниң ҳәр жылғы баянатын дәслепки тәризде көрип шығады ҳәм де пикир, усынысларды ислеп шығады, пикир ҳәм усыныслар Жоқарғы Кеңес сессиясында  ҳәр тәреплеме додаланыўы керек. Министрлер Кеңесиниң ҳәр жылғы баянатын көрип шығыў жуўмақлары бойынша Жоқарғы Кеңес қарар қабыл етеди, онда ҳүкиметтиң республиканың социаллық-экономикалық раўажланыўының ең әҳмийетли  мәселелерин шешиўге тийисли искерлигиниң нәтийжелилигин асырыўға қаратылған усыныслар болыўы мүмкин. Министрлер Кеңесиниң ҳәр жылғы баянатын көрип шығыў жуўмақлары бойынша қабыл етилген Жоқарғы Кеңестиң қарары Министрлер Кеңесине жибериледи. 81-статья. Министрлер Кеӊеси Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатнамасынан келип шығып, тийисли жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламаныӊ орынланыўы барысы ҳаққындағы есабатын қарап шығыў Министрлер Кеӊесиниӊ Баслығы Ҳүкимет ағзалары менен биргеликте ҳәр шеректе Жоқары Кеӊеске Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатнамасынан келип шығып, тийисли жылға мөлшерленген мәмлекет бағдарламасыныӊ орынланыўы ҳаққында есабат усыныс етеди. Фракциялар, депутатлар топарлары, Жоқары Кеӊес комитетлери Министрлер Кеӊесиниӊ есабатын дәслепки тәрзде қарап шығады ҳәм Жоқарғы Кеӊес сессиясында мәжбурий түрде ҳәм ҳәр тәреплеме додаланыўы керек болған пикирлер ҳәм усынысларды ислеп шығады. Жоқарғы Кеӊес Министрлер Кеӊнесиниң есабатын қарап шығыў жуўмақлары бойынша қарар қабыл етеди, қарар Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатнамасынан келип шығып, тийисли жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламаны орынлаў бойынша ҳүкимет жумысыныӊ нәтийжелилигин асырыўға қаратылған усынысларды өз ишине алыўы мүмкин. Министрлер Кеӊесиниӊ есабатын қарап шығыў жуўмақлары бойынша қабыл етилген Жоқарғы Кеӊес қарарлары Министрлер Кеӊесине жибериледи. (81-статьясы Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық толықтырылған)  9-статья.  Министрлер Кеңеси Баслығының республиканың социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўының айырым әҳмийетли мәселелери бойынша есабатын тыңлаў Жоқарғы Кеңес зәрүр болған жағдайларда сессияларда Министрлер Кеңеси Баслығының республиканың социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўының айырым әҳмийетли мәселелери бойынша есабатын тыңлаўы мүмкин. Министрлер Кеңеси Баслығының республиканың социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўының айырым әҳмийетли мәселелери бойынша есабаты  нызамға муўапық парламентлик сораў тәртибинде тыңланады. Фракциялар, Жоқарғы Кеңес комитетлери Министрлер Кеңеси Баслығының есабатын дәслепки тәризде қарап шығады ҳәм  пикир, усынысларды ислеп шығады, пикир ҳәм усыныслар Жоқарғы Кеңес  сессиясында ҳәр тәреплеме додаланыўы керек. Министрлер Кеңеси Баслығының есабатын тыңлаў жуўмақлары бойынша Жоқарғы Кеңес қарар қабыл етеди, онда ҳүкиметтиң республиканың социаллық-экономикалық раўажланыўының айырым әҳмийетли мәселелерине байланыслы жумысының нәтийжелилигин асырыўға қаратылған усыныслар болыўы мүмкин. Министрлер Кеңеси Баслығының есабатын тыңлаў жуўмақлары бойынша қабыл етилген Жоқарғы Кеңестиң  қарары Министрлер Кеңесине жибериледи. 10-статья. Ҳүкимет ағзаларының, мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары басшыларының өз жумысына байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемесин тыңлаў (19.12.2020-ж. 77/XI-санлы ҚР Нызамына тийкар 10-статья атамасы өзгертилген) Жоқарғы Кеңес зәрүр болған жағдайларда өзиниң сессиясында ҳүкимет ағзаларының, мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары басшыларының өз жумысына байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемесин тыңлаўы мүмкин. Ҳүкимет ағзаларының, мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары басшыларының өз жумысына байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемесин тыңлаў мәселеси Жоқарғы Кеңес Президиумы, комитетлери (комиссиялары) яки фракциялардың басламасына муўапық көрип шығылады. (19.12.2020-ж. 77/XI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Жоқарғы Кеңес Қарақалпақстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министриниң өз жумысы ҳаққындағы мәлимлемесин Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетинде дәслепки тәризде көрип шыққан халда жылына еки мәрте тыңлайды. Жоқарғы Кеңес Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң ҳуқықбузарлықтын алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққындағы мәлимлемесин Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетинде дәслепки тәризде көрип шыққан халда жылына төрт мәрте тыңлайды. (10-статьяныӊ үшинши бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық өзгерис киргизилген) Ҳүкимет ағзаларының, мәмлекетлик уйымлары, хожалық басқарыў уйымлары басшыларының өз жумысына байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемесин тыңлаў ҳаққында Жоқарғы Кеңес қарар қабыл етеди, Ҳүкимет ағзаларын тыӊлаў ҳаққында алдын-ала Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары басшыларының мәлимлемесин тынлаў ҳаққындағы қарары тийисли мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыў уйымларына жибериледи. Ҳүкимет ағзаларының, мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары басшыларының мәлимлемесин тыңлаў жуўмақлары бойынша Жоқарғы Кеңес қарар қабыл етеди, онда тийислисинше ҳүкимет ағзаларыныӊ, мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары басшыларының жумысының нәтийжелилигин асырыўға қаратылған усыныслар болыўы, сондай-ақ олардың жумысына баҳа берилиўи мүмкин. Ҳүкимет ағзаларының, мәлимлемесин тыңлаў жуўмақлары бойынша Жоқарғы Кеңес қарары Министрлер Кеңесине жибериледи, ал мәмлекетлик уйымлары, хожалық басқарыў уйымлары басшыларының мәлимлемесин тыңлаў жуўмақлары бойынша қарары тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларына жибериледи. (19.12.2020-ж. 77/XI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 101-статья Жоқарғы Кеңес сессияларында қала ҳәм район ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаў Жоқарғы Кеңес өз сессияларында район, қала ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаўы мүмкин. Район, қала ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаў ҳаққындағы мәселе Жоқарғы Кеңес тәрепинен оның комитетлери басламасы менен көрип шығылады. Район, қала ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаў ҳаққында Жоқарғы Кеңес тәрепинен қарар қабыл етиледи, қарар тийисли ҳәкимлерге алдын-ала жибериледи. Район, қала ҳәкимлериниң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын тыңлаў жуўмақлары бойынша Жоқарғы Кеңес қарар қабыл етеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 11-статья. Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының есабатын тыңлаў Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының Жоқарғы Кеңеске нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте усынған ҳәр жылғы есабаты Жоқарғы Кеңестиң гезектеги сессиясында қарап шығылады. Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының есабаты дәслепки тәризде Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети тәрепинен көрип шығылады. Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының есабатын тыңлаў жуўмақлары бойынша Жоқарғы Кеңес қарар қабыл етеди, қарар Қарақалпақстан Республикасы Прокуроратурасына жибериледи. 111-статья. Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслықларының мәлимлемелерин тыңлаў. (28.12.2020-ж. 88/XII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси бир жылда кеминде бир мәрте өз сессияларында Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслықларының пуқаралар ҳуқуқларын ҳәм еркинликлерин, соның менен бирге кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғаўды әмелге асырыўға байланыслы жумыслары ҳаққында мәлимлемесин тыңлайды.  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси усы мәселе бойынша қабыл етилген қарарды Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесине жибереди. (28.12.2020-ж. 88/XII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 112-статья.  Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң  мәлимлемесин тыңлаў Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри ҳәр ярым жыллық жуўмақлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине орынлардағы норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары ҳаққындағы мәлимлемени Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетинде дәслепки тәризде көрип шыққан халда жылына еки мәрте тыңлайды. (19.12.2020-ж. 77/XI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң мәлимлемесин тыңлаў жуўмақлары бойынша тийисли қарар қабыл етилип, қарар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине жибериледи. (29.06.2019-ж. 258/XXVI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 12-статья. (12-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық алып тасланған) 13-статья. Өзбекстан Республикасы Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығының есабатын тыңлаў Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы (буннан былай текстте Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы) баслығының Жоқарғы Кеңеске нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте усынған ҳәр жылғы есабаты Жоқарғы Кеңестиң гезектеги сессиясында қарап шығылады. Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығының есабаты дәслепки тәризде Жоқарғы Кеңестиң Бюджет, экономикалық реформалар ҳәм инвестициялар мәселелери комитети тәрепинен көрип шығылады. (19.12.2020-ж. 77/XI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығының есабатын тыңлаў жуўмақлары бойынша Жоқарғы Кеңес қарар қабыл етеди, қарар Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасына жибериледи. 14-статья. Парламентлик сораў Жоқарғы Кеңес мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының лаўазымлы шахсларына нызамлардың, түрли тараўлардағы мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы мәселелери ҳәм де олардың ўәкилликлерине киретуғын басқа зәрүр мәселелер бойынша тийкарланған түсиник бериў яки көз-қарасын баян етиў талабы менен парламентлик сораў жибериўге ҳақылы. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы усыныс Жоқарғы Кеңес Президиумы, комитетлери, фракциялар, сондай-ақ  Жоқарғы Кеңес депутатлары улыўма санының кеминде төрттен бир бөлеги тәрепинен Жоқарғы Кеңестиң қарап шығыўы ушын киргизиледи. Мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының лаўазымлы шахслары парламентлик сораўға аўызеки жуўапты Жоқарғы Кеңестиң сессиясында Жоқарғы Кеңес белгилеген мүддетте береди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыў уйымларының лаўазымлы шахслары парламентлик сораўға жазба жуўапты, егер басқа мүддет белгиленген болмаса, сораў алынған күннен баслап он күннен кешиктирмей жибериўи тийис. Парламент сораўына жуўап өз атына сораў жиберилген лаўазымлы шахс яки оның ўазыйпаларын ўақтынша атқарыўшы шахс тәрепинен қол қойылады.  (19.12.2020-ж. 77/XI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Парламентлик сораўға жазба жуўап Жоқарғы Кеңестиң сессиясында басқарып барыўшы тәрепинен оқып еситтириледи. Жазба жуўаптың нусқалары оқып еситтирилгенше шекем алдын-ала депутатларға жибериледи. Парламентлик сораўларға жуўап Жоқарғы Кеңес сессиясында додаланыўы мүмкин. Жоқарғы Кеңес парламентлик сораў додаланыўының жуўмақлары бойынша қарар қабыл етеди. 15-статья. Жоқарғы Кеңес депутатының сораўы Жоқарғы Кеңес депутаты мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының лаўазымлы шахсларына, әдетте, тийисли сайлаў округы сайлаўшыларының ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў менен байланыслы мәселелер бойынша тийкарланған түсиник бериў яки көз-қарасын билдириў талабы менен сораў жибериўге ҳақылы. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыў уйымларының лаўазымлы шахслары депутат сораўына, егер басқа мүддет белгиленген болмаса, сораў алынған күннен баслап он күннен кешиктирмей жазба жуўап жибереди. Депутат сораўына жуўап өз атына сораў жиберилген лаўазымлы шахс яки оның ўазыйпаларын ўақтынша атқарыўшы шахс тәрепинен қол қойылады. (19.12.2020-ж. 77/XI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 16-статья. Жоқарғы Кеңес комитетлери тәрепинен мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының басшыларының мәлимлемесин тыңлаў Жоқарғы Кеңес комитетлери комитетлердиң ис жобаларына, Жоқарғы Кеңес ҳәм оның Президиумы қарарларына муўапық өз мәжилисинде мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыўы уйымларының басшыларының олар тәрепинен нызамларға бойсынылыўы, Жоқарғы Кеңес, оның Президиумы, комитетлери қарарлар ҳәм шешимлериниң орынланыўы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлаўы мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары басшыларының мәлимлемесин тыңлаў жуўмақлары бойынша Жоқарғы Кеңес Президиумы қарар, комитетлери шешим қабыл етеди ҳәм олар тийисли мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларына жибериледи. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 17-статья. Жоқарғы Кеңес комитетлери тәрепинен нызам ҳүжжетлериниң орынланыў барысын, ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў ҳәм нызам асты ҳүжжетлериниң қабыл етилиўи бойынша  мониторингти жүргизиў Жоқарғы Кеңес комитетлери өз ис жобасына муўапық ўақты-ўақты менен мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыўы уйымлары тәрепинен нызамлардың, Жоқарғы Кеңес қарарларының орынланыў барысын, ҳуқықты қолланыў әмелиятын орынларға шығып үйренеди. Жоқарғы Кеңес комитетлери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес депутатлары үйрениў даўамында мәмлекетлик уйымлардан ҳәм басқада шөлкемлерден, лаўазымлы шахслардан ҳүжжетлерди, эксперт жуўмақларын, статистикалық мағлыўматларды ҳәм басқа да мағлыўматларды сорап алыўы мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Нызам ҳүжжетлериниң орынланыў барысын, ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў жуўмақлары бойынша Жоқарғы Кеңес комитетлери өз мәжилислеринде мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыўы уйымлары басшыларының мәлимлемесин тыңлаўы, сондай-ақ үйрениў нәтийжелерин Жоқарғы Кеңес  қарап шығыўы ушын киргизиў ҳаққында шешим қабыл етиўи мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Нызам ҳүжжетлериниң орынланыў барысын, ҳуқықты қолланыў тәжирийбесин үйрениў Жоқарғы Кеңес комитетлериниң шешимлерине муўапық Жоқарғы Кеңес депутатлары тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Жоқарғы Кеңес комитетлери жаңадан қабыл етилген нызамлардың орынланыўын тәмийинлеў ушын нызам асты ҳүжжетлериниң өз ўақтында қабыл етилиўи бойынша мониторингин жүргизеди. Мониторингти жүргизиў жуўмақлары Жоқарғы Кеңес комитетлери мәжилислеринде қарап шығылыўы мүмкин. 17¹-статья. Парламентлик тексериў Жәмийет ҳәм мәмлекеттиң ең әҳмийетли мәплерине қәўип салыўшы, мәмлекет қәўипсизлиги тийкарларына, оның турақлы раўажланыўына кери тәсир етиўи мүмкин болған белгили бир фактлерди ямаса ўақыяларды үйрениў мақсетинде Жоқарғы Кеңес қарары менен парламентлик тексериў өткерилиўи мүмкин. Жоқарғы Кеңес парламент тексериўин өткериў ушын Жоқарғы Кеңес депутатлары арасынан комиссия дүзеди. Комиссия парламент тексериўин өткериўде төмендегилерге ҳақылы: мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыў уйымларының ўәкиллерин, қәнигелерин, экспертлерин ҳәм илимпазларын комиссия жумысына тартыў; мәмлекетлик уйымлардан, хожалық басқарыў уйымларынан, басқа да шөлкемлерден, сондай-ақ пуқаралардан зәрүр мағлыўматларды сорап алыў; мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыў уйымларының, басқа да шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларын, сондай-ақ пуқараларды түсиндириўлер бериў ушын мирәт етиўге ҳақылы. Комиссия Жоқарғы Кеңестиң қарарына муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. Комиссия орынланған жумыс туўралы Жоқарғы Кеңес тәрепинен белгиленген мүддетте Жоқарғы Кеңести хабардар етеди. 17²-статья. Прокуратура уйымлары жумысы үстинен парламент қадағалаўын әмелге асырыў Прокуратура уйымлары жумысы үстинен парламент қадағалаўын әмелге асырыў, Қарақалпақстан Республикасында нызам үстинлиги ҳәм нызамлылықты, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў бойынша олар жумысының нәтийжелилигин асырыў мақсетинде Жоқарғы Кеңес тәрепинен Жоқарғы Кеңестиң прокуратура уйымлары жумысын қадағалаўшы комиссиясы дүзиледи. Жоқарғы Кеңестиң прокуратура уйымлары жумысын қадағалаўшы комиссиясының жумысын шөлкемлестириў тәртиби Жоқарғы Кеңестиң қарары менен белгиленеди. Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры ҳәр жылы Жоқарғы Кеңеске есабат усынады, есабат Жоқарғы Кеңестиң гезектеги сессиясында қарап шығылады. Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының есабаты дәслепки тәризде Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети тәрепинен Жоқарғы Кеңестиң прокуратура уйымлары жумысын қадағалаўшы комиссиясы менен биргеликте қарап шығылады. Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының есабатын тынлаў жуўмақлары бойынша Жоқарғы Кеңес қарар қабыл етеди, қарар Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасына жибериледи.  (13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 18-статья. Парламентлик қадағалаў нәтийжелери Парламентлик қадағалаў субъектлери өз ўәкилликлери шеңберинде парламентлик қадағалаў нәтийжелери бойынша: ҳүкимет ағзасын лаўазымнан босатыў ҳаққында тийисли уйымға көрип шығыўы ушын усыныс киргизиўи; тийисли мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларына нызам ҳүжжетлериниң, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы, өзлерине жүкленген ўазыйпалар ҳәм функциялардың әмелге асырылыўы нәтийжелилигин асырыўға қаратылған илажлар көриў бойынша пикирлер ҳәм усыныслар киргизиўи; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен киргизилген баянатлар, есабатлар, мәлимлеме ҳәм де басқа материалларды олар бойынша пикир ҳәм усынысларды көрсеткен ҳалда усы уйымларға толық ислеп шығыў ушын белгиленген тәртипте қайтарып жибериўи; парламентлик қадағалаў материалларын ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға өз ўәкилликлерине муўапық қарап шығыў ушын жибериўи; пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузыў жағдайлары ямаса нызам ҳүжжетлерин бузыўдың басқа да жағдайлары мәлим болғанда оларға дәрҳал шек қойыў шараларын көриў талабы менен тийисли мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларына ҳәм де лаўазымлы шахсларға мүрәжат етиўи; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) лаўазымлы шахсларды жуўапкершиликке тартыў, оларды лаўазымынан босатыў ҳаққында тийисли мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларына пикир ҳәм усыныслар киргизиўи; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) жаңа нызам ҳүжжети жойбарын ислеп шығыў ямаса ҳәрекеттеги нызам ҳүжжетлерин қайта қарап шығыў басламасы менен шығыўы; парламентлик қадағалаў нәтийжелерин жәриялаўы мүмкин. 19-статья. Парламентлик қадағалаў нәтийжелери бойынша қабыл етилген қарарларды қарап шығыў ҳәм орынлаў Мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларына өз ўәкилликлери шеңберинде: (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) парламентлик қадағалаў субъектлери тәрепинен қабыл етилген қарарлардың қарап шығылыўы ҳәм орынланыўын тәмийинлейди; парламентлик қадағалаў нәтийжелери бойынша ислеп шығылған пикир ҳәм усынысларды әмелге асырыўға қаратылған зәрүр илажларды ислеп шығады ҳәм (ямаса) қарарлар қабыл етеди; пикир ҳәм усынысларды қарап шығыў нәтийжелери ҳәм де олар бойынша көрилген илажлар туўралы парламентлик қадағалаў субъектлерине хабар етеди; нызам ҳүжжетлериниң бузылыўына жол қойған  мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларының лаўазымлы шахсларына жуўапкершилик шараларын көреди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 20-статья. Парламентлик қадағалаў субъектлериниң миннетлери Парламентлик қадағалаўды әмелге асырыўда парламентлик қадағалаў субъектлери: мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларын ҳәм де олардың лаўазымлы шахсларын парламентлик қадағалаўды өткериўге байланыслы зәрүр ҳүжжетлер менен таныстырыўы; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларының, басқа да шөлкемлердиң ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының өз ўәкилликлери шеңберинде әмелге асырып атырған жумысларына араласпаўы; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларының, басқа да шөлкемлердиң жумыс жүргизиўине тосқынлықларды пайда етпеўи; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) мәмлекет сырларды ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа да сырды қураўшы мағлыўматларды қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң талапларына бойсыныўы шәрт. Парламентлик қадағалаў субъектлерине нызамға муўапық басқа миннетлер жүклениўи мүмкин. 21-статья.  Мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымлары лаўазымлы шахсларының миннетлери Парламентлик қадағалаў субъектлери парламентлик қадағалаўды әмелге асырып атырғанда мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларының лаўазымлы шахслары; парламентлик қадағалаў әмелге асырылыўы ушын зәрүр шәрт-шараятлар жаратыўы; парламентлик қадағалаў субъектлериниң нызамлы талапларын орынлаўы, сондай-ақ олардың жумысына тосқынлық етпеўи; парламентлик қадағалаў субъектлерине парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў ушын зәрүр болған ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматларды усыныўы, сондай-ақ олардың исенимлилиги ҳәм объективлигин тәмийинлеўи шәрт. Мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларының лаўазымлы шахслары парламентлик қадағалаў субъектлериниң парламентлик қадағалаў нәтийжелери бойынша қабыл етилген қарарларын қарап шығыўы ҳәм көрип шығыў нәтийжелери ҳәм де көрилген ис-илажлар ҳаққында оларды белгиленген мүддетте хабардар етиўи шәрт. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымлары лаўазымлы шахсларына нызамға муўапық басқа да миннетлер жүклениўи мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 22-статья. Парламентлик қадағалаў нәтийжелерин қарап шығыўдың ашықлығы ҳәм жәриялылығы Парламентлик қадағалаў нәтийжелерин қарап шығыў бойынша Жоқарғы Кеңестиң ҳәм де оның уйымларының мәжилислери ашық ҳәм жәриялы өткериледи. Мәжилислерге мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўы уйымларының, мәмлекетлик  емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, илимий мәкемелердиң ўәкиллери, қәнигелер ҳәм илимпазлар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери мирәт етилиўи мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Зәрүр болғанда, Жоқарғы Кеңес ҳәм оның уйымлары жабық мәжилис өткериў ҳаққында қарар қабыл етиўи мүмкин. Парламентлик қадағалаў нәтийжелери ғалаба хабар қуралларында ҳәм Жоқарғы Кеңестиң рәсмий веб-сайтларында жәрияланыўы мүмкин. 23-статья. Парламентлик қадағалаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкершилик Парламентлик қадағалаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады. 24-статья. Нызам ҳүжжетлерин усы Нызамға муўапықластырыў Министрлер Кеңеси: өз қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын; мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы болған өз норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин қайта қарап шығыўын ҳәм бийкар етиўин тәмийинлесин. 25-статья. Усы Нызамның күшке кириўи Усы Нызам рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.     Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы                                                            М.Ерниязов                    Нөкис қаласы, 28-декабрь 2016-жыл № 117/ХIII