Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ҲАЙЎАНАТЛАР ДYНЬЯСЫН ҚОРҒАЎ ҲӘМ ОННАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 09.06.1998-ж. 364/I

 ҲАЙЎАНАТЛАР ДYНЬЯСЫН ҚОРҒАЎ ҲӘМ ОННАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакцияда) 30.12.2017-ж. 165/XIX

 Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы 16.12.2019-ж. 282/XXIX-санлы ҚР Нызамы

I бап. Улыўма режелер

 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.  2-статья. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылық Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа да нызам актлеринен ибарат. Егер Өзбекистан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызам актлеринде нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: жабайы ҳайўанлар - қурғақлықта, суўда, атмосферада ҳәм топырақта жасайтуғын, қолға үйретилмеген омыртқасызлар, балықлар, жерде ҳәм суўда жасаўшы ҳайўанлар, жер баўырлаўшылар, қуслар, сүт емизиўшилер; жабайы ҳайўанлардың тиришилик ҳәрекети өнимлери - жабайы ҳайўанлардың тиришилик ҳәрекети нәтийжесинде пайда болған пал, май, гөш, сүт, мәйек, мум, уўылдырық, зәҳәр, өт, жүн, шақлар, пәрлер, терилер ҳәм басқа да өнимлер; зоология коллекциясы - жабайы ҳайўанлардың илимий, мәдений-ағартыўшылық, оқыў-тәрбиялық ҳәм эстетикалық әҳмийетке ийе жансыз экспонатларының системаластырылған топламы (жабайы ҳайўанлар тулыпларының ҳәм жасаў ҳәрекети өнимлериниң үлгилери), сондай-ақ толық емес еркинлик шәраятта, жасалма дөретилген жасаў орталығында ямаса тутқынлықта (тәбийий питомниклерде, ҳайўанатлар бағларында, цирклерде, террариумларда, аквариумларда ҳәм басқа да орынларда) сақланып атырған жабайы ҳайўанлардың тири коллекциялары; ҳайўанатлар дүньясы - мәмлекет аймағында турақлы ямаса ўақтынша жасап атырған барлық түрдеги жабайы ҳайўанлар жәмлемеси; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў - жабайы ҳайўанлардың турақлы жасаў шараятларын тәмийинлеўге, олардың тәбийий топарлары ҳәм популяцияларын сақлап қалыўға, олардың жоқ етип жиберилиўиниң ямаса оларға басқаша зыянлы тәсир көрсетилиўиниң алдын алыўға қаратылған ҳәрекет; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў  бойынша биотехникалық илажлар - жабайы ҳайўанларды сақлап қалыў, тиклеў ҳәм тәкрарый көбейтиўге, олардың жасаў орталығын, көбейиў орынлары ҳәм көшип өтиў жолларын сақлап қалыўға, аў қылыў ҳәм балық аўлаў орынлары өнимдарлығын асырыўға қаратылған, илимий тийкарланған илажлар жәмлемеси. 4-статья. Ҳайўанатлар дүньясына байланыслы меншиклик Ҳайўанатлар дүньясы улыўма миллий байлық болып, оннан ақылға уғрас пайдаланыў зәрүр ҳәм ол мәмлекет тәрепинен қорғалады. Тәбийий еркинлик ҳалында жасайтуғын, сондай-ақ тәбийий жасаў орталығына шығарып жиберилген жабайы ҳайўанлар мәмлекет мүлки есапланады. Толық емес еркинлик шәраятта, жасалма жаратылған жасаў орталығында ямаса тутқынлықта сақланып атырған ҳәм (ямаса) жетистирилген жабайы ҳайўанлар юридикалық ямаса физикалық шахстың мүлки болыўы мүмкин.  5-статья. Ҳайўанатлар дүньясы объектлери Ҳайўанатлар дүньясы объектлери төмендегилерден ибарат: жабайы ҳайўанлар; жабайы ҳайўанлардың жасаў ҳәрекети өнимлери; зоология коллекциялары. 6-статья. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар Юридикалық ҳәм физикалық шахслар ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар болыўы мүмкин. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыў барысында өзлерине тийисли болған ҳуқықты нызам ҳүжжетлеринде белгиленген шәртлерде ҳәм тәртипте әмелге асырады.

II бап. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласын тәртипке салыў

 7-статья. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик сиясатының тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат: ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик бағдарламаларды, сондай-ақ басқа да илажларды ислеп шығыў ҳәм де әмелге асырыў; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы нормаларды мәмлекет тәрепинен белгилеў; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында илимий изертлеў жумысын раўажландырыў. 8-статья. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында Қарақалпақстан Республикасында басқарыў Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик басқарыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен олардың ўәкилликлери  шеңберинде әмелге асырылады. 9-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлейди; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады, тастыйықлайды ҳәм әмелге асырады; мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы жумысын өз ўәкилликлери шеңберинде муўапықластырады; жергиликли әҳмийетке ийе қорғалатуғын тәбийий аймақларды шөлкемлестириў ҳаққындағы мәселелерди белгиленген тәртипте қарап шығады. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. 10-статья. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети: ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы аймақлық бағдарламаларды ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы норматив-ҳуқықый актлерди ислеп шығыўда қатнасады; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы режелер, нормалар ҳәм де нормативлерди ислеп шығыўда қатнасады; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады; зоология коллекцияларының, жабайы ҳайўанлар сақланатуғын ҳәм көбейттирилетуғын питомниклердиң есабын жүритеди; ҳайўанатлар дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастрын жүритиўде қатнасады; Өзбекистан Республикасы қызыл китабын жүритиўде қатнасады; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өткереди; юридикалық ҳәм физикалық шахсларға ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын рухсатнама береди; бекитилген қорғалатуғын тәбийий аймақларда ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша биотехникалық илажларды әмелге асырады. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди де әмелге асырыўы мүмкин. 11-статья. Қарақалпақстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги: ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы аймақлық бағдарламаларды ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында норматив-ҳуқықый актлер, режелер, нормалар ҳәм де нормативлерди ислеп шығыўда қатнасады; мәмлекетлик тоғай қоры жерлериндеги ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында ведомстволық қадағалаўды әмелге асырады; Өзбекистан Республикасы Қызыл китабын жүритиўде қатнасады. Қарақалпақстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ўәкилликлерди де әмелге асырыўы мүмкин. 12-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы ўәкилликлери Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары: ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы аймақлық бағдарламаларды ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы тийисли аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады ҳәм әмелге асырады; тийисли аймақта ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады; жергиликли әҳмийетке ийе қорғалатуғын тәбийий аймақларды шөлкемлестириў ҳаққындағы мәселелерди белгиленген тәртипте қарап шығады. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди де әмелге асырыўы мүмкин. 13-статья. Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеўде қатнасыўы Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими: ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; ҳайўанатлар дүньясы объектлериниң мәмлекетлик есабын ҳәм олардан пайдаланыў көлемлериниң есабын белгиленген тәртипте жүритиўде қатнасады; ҳайўанатлар дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастры ҳәм Өзбекистан Республикасы Қызыл китабы жүритилиўин илимий тәрептен тәмийинлеўди әмелге асырыўда қатнасады; усы Нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында жуўмақлар береди; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы белгиленген илимий бағдарларды ҳәмде ислеп шығылған илимий изертлеў бағдарламаларын әмелге асырыўда қатнасады. Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими нызамшылыққа муўапық ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша басқа да илажларда қатнасыўы мүмкин. 14-статья. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралардың ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеўде қатнасыўы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралар: ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳәм басқа да бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасады; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырады. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралар нызамшылыққа муўапық ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша басқа да илажларда қатнасыўы мүмкин.

 III бап. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў

15-статья. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаўға байланыслы илажлар Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў: ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы режелер, нормалар ҳәм нормативлерди белгилеў; ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыўда шеклеўлер ҳәм қадаған етиўди белгилеў; ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықын тоқтатып турыў, тоқтатыў, бийкар етиў; ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен өз басымшалық пенен пайдаланыўдың ҳәм олардан пайдаланыў барысында белгиленген тәртиптиң басқада тәризде бузылыўларының алдын алыў; жабайы ҳайўанлардың жасаў орталығы, көбейиў орынлары ҳәм көшип өтиў жоллары қорғалыўын шөлкемлестириў; сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған жабайы ҳайўанлар түрлерин Өзбекистан Республикасы қызыл китабына киргизиў; хожалық жумысын ҳәм басқа жумысты әмелге асырыў, транспорт қуралларынан пайдаланыў ўақтында жабайы ҳайўанлардың набыт болыўының алдын алыў; қорғалатуғын тәбийий аймақларды шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў; сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған жабайы ҳайўанлар түрлерин тутқынлықта көбейтиў; жабайы ҳайўанлар кеселленгенде, олардың тәбийий апатлар ҳәм басқа себеплер ақыбетинде набыт болыўы қәўпи туўылғанда оларға жәрдем бериў; ҳайўанатлар дүньясы объектлериниң есабын жүргизиў ҳәм олардан пайдаланыў көлемлерин есапқа алыў; ҳайўанатлар дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастрын жүритиўде қатнасыў ҳәм ҳайўанатлар дүньясы мониторингин әмелге асырыў; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында қадағалаўды әмелге асырыў; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында илимий изертлеўлерди шөлкемлестириў ҳәм өткериў; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик экологиялық экспертизасын өткериў; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша биотехникалық ҳәм басқа да илажларды өткериў жолы менен әмелге асырылады. 16-статья. Ҳайўанатлар дүньясы объектлерин мәмлекет есабына алыў ҳәм олардан пайдаланыў көлемлерин есапқа алыў, ҳайўанатлар дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастры Ҳайўанатлар дүньясының қорғалыўын ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў ушын ҳайўанатлар дүньясы объектлерин мәмлекет есабына алыў ҳәм де олардан пайдаланыў көлемлерин есапқа алыўды әмелге асырылады. Қарамағында қорғалатуғын тәбийий аймақлар, аңшылық ҳәм (ямаса) балық аўлаў хожалықлары болған юридикалық ҳәм физикалық шахслар ҳәр жылы жабайы ҳайўанлардың санын ҳәм олардан пайдаланыў көлемлерин есапқа алыўды әмелге асырыўы ҳәм де алынған мағлыўматларды мәмлекетлик статистика уйымларына бериўи шәрт. Ҳайўанатлар дүньясы объектлериниң мәмлекетлик есабын ҳәм олардан пайдаланыў көлемлериниң есабын жүритиўши министрликлер, мәкеме ҳәм де шөлкемлер ҳайўанатлар дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастры бойынша зәрүр мағлыўматты Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетине төлемсиз береди. Ҳайўанатлар дүньясының қорғалыўын ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланылыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте ҳайўанатлар дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастрын жүритиўде қатнасады. Ҳайўанатлар дүньясы объектлериниң мәмлекетлик есабын ҳәм олардан пайдаланыў көлемлериниң есабын, ҳайўанатлар дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастрын жүритиў тәртиби тийисли мәмлекетлик уйым тәрепинен тастыйықланады. 17-статья. Сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған жабайы ҳайўанлар түрлерин қорғаў Сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған жабайы ҳайўанлар түрлери Өзбекистан Республикасы қызыл китабына киритиледи. Сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған жабайы ҳайўанлардың түрлери набыт болыўына, саны кемейип кетиўине ямаса жасаў орталығы бузылыўына алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлерге (ҳәрекетсизликке) жол қойылмайды. 18-статья. Сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған жабайы ҳайўанлар түрлерин сақлап қалыў илажлары Тәбийий шараятларда тиклеў ҳәм де қайта көбейтиў имканияты болмаған сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған жабайы ҳайўанлар түрлерин сақлап қалыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, усы түрдеги ҳайўанлардың көбейиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў бойынша илажлар көриўи шәрт. 19-статья. Сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған жабайы ҳайўанлар түрлерин тәбийий жасаў орталығынан ажыратып алыў тәртиби Сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған жабайы ҳайўанлар түрлерин: арнаўлы жаратылған шараятларда көбейтиў ҳәм соңынан тәбийий жасаў орталығына қойып жибериў мақсетинде; илимий ҳәм қадағалаў жумысларын әмелге асырыў ушын; нызамшылыққа муўапық айрықша зәрүр болған жағдайларда тәбийий жасаў орталығынан ажыратып алыўға Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясының жуўмағы инабатқа алынған ҳалда ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары тийкарында Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен берилетуғын рухсатнама бойынша жол қойылады. 20-статья. Ҳайўанатлар дүньясы объектлерин алып кириў ҳәм алып шығыў Жабайы ҳайўанларды, сондай-ақ олардың бөлеклерин, жасаў ҳәрекети өнимлерин, зоология коллекцияларын, усланған аңларды ҳәм тулыпларды сырт мәмлекеттен алып кириў ҳәм сырт мәмлекетке алып шығыў Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары беретуғын рухатнамалар тийкарында, тийисли мәмлекетлик уйым тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Сырт мәмлекеттен нызамсыз рәўиште алып кириўге ямаса сырт мәмлекетке нызамсыз рәўиште алып шығыўға урыныў барысында услап қалынған жабайы ҳайўанлар, сондай-ақ олардың бөлеклери, жасаў ҳәрекети өнимлери, зоология коллекциялары, усланған аңлар ҳәм тулыплар тийисли мәмлекетлик уйым тәрепинен белгиленетуғын тәртипте алып қойылыўы тийис.  21-статья. Ҳайўанатлар дүньясы мониторинги Ҳайўанатлар дүньясы мониторинги Қоршаған тәбийий орталықтың мәмлекетлик мониторингиниң структуралық бөлеги болып, ҳайўанатлар дүньясы ҳәм оның жасаў орталығы жағдайының арнаўлы шөлкемлестирилген турақлы гүзетиўлеринен, ондағы өзгерислерди анықлаў, оны баҳалаў ҳәм де таллаўдан ибарат. Ҳайўанатлар дүньясы мониторинги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады. 22-статья. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы қадағалаў Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы қадағалаў мәмлекетлик, ведомстволық, өндирислик ҳәм жәмийетлик қадағалаў формасында әмелге асырылады. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен әмелге асырылады. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы ведомстволық қадағалаў тоғай фонды жерлеринде Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети тәрепинен, мәмлекетлик басқарыў уйымларына қараслы шөлкемлерде, сондай-ақ хожалық басқарыў уйымлары қурамына кириўши шөлкемлерде мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары тәрепинен әмелге асырылады. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы өндирислик қадағалаў хожалық жүритиўши субъектлер тәрепинен оларға бекитилген аймақларда әмелге асырылады. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы жәмийетлик қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы пуқаралары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин. (ҚР ЖК 16.12.2019-ж. 282/XXIX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби нызамшылық пенен белгиленеди. 23-статья. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды хошаметлеў Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды, сондай-ақ жабайы ҳайўанлар жасаў орталығының, көбейиў орынларының ҳәм көшип өтиў жолларының қорғалыўын  ҳәм де жағдайы жақсыланыўын тәмийинлеп атырған юридикалық ҳәм физикалық шахсларға белгиленген тәртипте жеңилликлер берилиўи мүмкин.

IV бап. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыўға байланыслы талаплар

 24-статья. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыўға байланыслы тийкарғы талаплар Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыўға байланыслы тийкарғы талаплар төмендегилерден ибарат: жабайы ҳайўанлардың түр бойынша ҳәр қыйлылығын ҳәм олардың тәбийий топарларының ҳәм де популяциялардың бир пүтинлигин тәбийий еркинлик жағдайында сақлап қалыў; жабайы ҳайўанлардың жасаў орталығы, көбейиў орынлары ҳәм көшип өтиў жолларын сақлап қалыў; жабайы ҳайўанлардан ақылға уғрас пайдаланыў, оларды тиклеў ҳәм қайта көбейтиў; жабайы ҳайўанлардың санын тәртипке салыў. 25-статья. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша биотехникалық илажларды келисип алыў Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар тәрепинен ислеп шығылатуғын ҳәм де тастыйықланатуғын ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша биотехникалық илажлар Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары менен келисип алыныўы тийис. 26-статья. Ҳайўанатлар дүньясының жағдайына тәсир көрсететуғын ҳәрекетке байланыслы талаплар Ҳайўанатлар дүньясының жағдайына, жабайы ҳайўанлардың жасаў орталығына, көбейиў орынларына ҳәм көшип өтиў жолларына тәсир көрсететуғын ҳәрекетлер ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыўға байланыслы талапларға бойсынған ҳалда әмелге асырылыўы керек.  27-статья. Хожалық жумысын ҳәм басқада жумысты әмелге асырыў барысында жабайы ҳайўанлар кеселлениўиниң ҳәм де набыт болыўының алдын алыў, олардың жасаў орталығын, көбейиў орынларын ҳәм көшип өтиў жолларын сақлап қалыў Юридикалық ҳәм физикалық шахслар ҳәр қандай түрдеги  хожалық жумысын ҳәм басқа да жумысты әмелге асырыў барысында жабайы ҳайўанлардың кеселлениўиниң ҳәм де набыт болыўының алдын алыў, олардың жасаў орталығын, көбейиў орынларын ҳәм көшип өтиў жолларын сақлап қалыў илажларын көриўи шәрт. Мәмлекетлик ветеринария хызмети жабайы ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлериниң алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў илажларын көреди, сондай-ақ нызамшылыққа муўапық басқа да ўазыйпаларды әмелге асырады. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыўға байланыслы талапларды есапқа алмаған ҳалда өсимликлерди өртеў, жабайы ҳайўанлар ушын қәўипли болған материаллар, шийки зат, химиялық затлар, өсимликлерди қорғаў қуралларын, минерал төгинлерди ҳәм басқа препаратларды сақлаў ҳәм қолланыў, хожалық ҳәм де ислеп шығарыў шығындыларын утилизация етиў, тасыў ҳәм көмиў қадаған етиледи. Елатлы пунктлерди, кәрханаларды, транспорт магистралларын, электр ҳәм байланыс линияларын, гидротехникалық қурылмаларды ҳәм басқа да объектлерди жайластырыў, жойбарлаў ҳәм қурыў, бар болған технологиялық процесслерди тереңлестириў ҳәм жаңаларын енгизиў, батпақлы ҳәм путалықлы аймақларды хожалық айланысына киритиў, суў режимин ҳәм суўдан пайдаланыў лимитин белгилеў, жерлерди мелиорациялаў, тоғайдан пайдаланыў, геология-қыдырыў жумысларын әмелге асырыў, пайдалы қазылмаларды қазып алыў, аўыл хожалығы ҳайўанларын отлатыў ҳәм жүрип өтиў орынларын анықлаў, туристлик жөнелислерди ислеп шығыў ҳәм халықтың массалық дем алатуғын орынларын шөлкемлестириў барысында жабайы ҳайўанлардың жасаў орталығын, көбейиў орынларын ҳәм көшип өтиў жолларын сақлап қалыў илажлары нәзерде тутылыўы  ҳәм де әмелге асырылыўы, сондай-ақ жабайы ҳайўанлардың жасаў орталығы сыпатында айрықша әҳмийетке ийе болған участкалардың қол қатылмаслығы тәмийинлениўи тийис. 28-статья. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өткериў Төмендегилер мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткерилиўи тийис: барлық түрдеги қурылыслар ушын жер участкаларын таңлаў материаллары, әмелге асырылыўы ҳайўанатлар дүньясының жағдайына ямаса жабайы ҳайўанлардың жасаў орталығына, көбейиў орынларына ҳәм көшип өтиў жолларына зыянлы тәсир көрсетиўи мүмкин болған режеден алдыңғы, жойбардан алдыңғы ҳәм жойбар ҳүжжетлери; аң аўланатуғын ҳәм (яки) балық аўланатуғын орынларды шөлкемлестириў жойбарлары; жабайы ҳайўанларды басқа орынға көшириў, ықлым-шараятқа бейимлестириў ҳәм шағылыстырыў жумысларының жойбарлары; жабайы ҳайўанлар ҳәм олардың жасаў орталығы ушын қәўипли болған өсимликлерди қорғаў қураллары. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик экологиялық экспертизасы экологиялық экспертиза ҳаққындағы нызамшылықта бегиленген тәртипте өткериледи.

V бап. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыў. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыў түрлери ҳәм усыллары

29-статья. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыў Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыў улыўма ҳәм арнаўлы пайдаланыў тәртибинде әмелге асырылады. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен улыўма пайдаланыў физикалық шахслар тәрепинен бийпул, жабайы ҳайўанларды олардың жасаў орталығынан ажыратып алмаған (спорт ҳәм ҳәўескерлик мақсетинде балық аўлаў буннан тысқары) ҳәм оларға зыян келтирмеген ҳалда әмелге асырылады. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў рухсатнамалар тийкарында төлем төлеў есабынан әмелге асырылады. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын рухсатнама жабайы ҳайўанларды тутыўға байланыслы тастыйықланған квоталар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен бериледи. Жабайы ҳайўанларды тутыўға байланыслы квоталар ҳайўанатлар дүньясы объектлерин мәмлекет тәрепинен есапқа алыў ҳәм олардан пайдаланыў көлемлерин есапқа алыў мағлыўматлары, Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң жуўмағы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен тастыйықланады. Питомниклерде, ҳәўиз хожалықларында жетистирилген ҳәм олардың аймағындағы жабайы ҳайўанларды тутыў ушын рухсатнама талап етилмейди. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыў Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады. 30-сататья. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылардың ҳуқықлары ҳәм миннетлери Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар: ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық пайдаланыў ҳуқықына; тутып алынған жабайы ҳайўанларға ҳәм олардың жасаў ҳәрекети өнимлерине байланыслы меншик ҳуқықына ийе болып есапланады. Аңшылық ҳәм (ямаса) балық аўлаў хожалығын жүритиўши ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар: өзлерине бекитилген аймақларда ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары тәрепинен берилетуғын рухсатнамалар шеңберинде пайдаланыў ушын физикалық шахсларға рухсатнамалар (жолламалар, ҳайўанларды тутыў карточкалары) бериўге; юридикалық ҳәм физикалық шахслар ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен санаат мақсетинде белгиленген квоталар шеңберинде пайдаланыўы ушын олар менен шәртнамалар дүзиўге; аңшылық ҳәм балық аўы өнимин қайта ислеў ҳәм олардан затлар ислеп шығарыўға; аңшылық ҳәм балық аўы өниминен, олардан ислеп шығарылған затлардан пайдаланыў ҳәм оларды реализация етиўге; жасалма усылда жетистирилип, тәбийий жасаў орталығына шығарып жиберилген ҳайўанлар түрлеринен пайдаланыўға да ҳуқықлы. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар: ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында белгиленген қағыйдалар, нормалар ҳәм нормативлерге бойсыныўы; ҳайўанатлар дүньясының қорғалыўын ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланылыўын тәмийинлеўи, сондай-ақ бекитилген аймақларда ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында ведомстволық ҳәм (ямаса) өндирислик қадағалаўды әмелге асырыўы; ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен жабайы ҳайўанлар тәбийий топарларының бир пүтинлиги бузылыўына жол қоймайтуғын ҳәм пайдаланыўға берилмеген жабайы ҳайўанлардың сақлап қалыныўын тәмийинлейтуғын усыллар менен пайдаланыўы; жабайы ҳайўанлардың жасаў орталығы, көбейиў орынлары ҳәм көшип өтиў жоллары бузылыўына жол қоймаўы; жабайы ҳайўанлар санын есапқа алыўды ҳәм олардан пайдаланыў көлемлерин есапқа алыўды әмелге асырыўы; ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланғанлығы ушын төлемлерин өз ўақтында киритиўи; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша биотехникалық илажларды әмелге асырыўы; басқа ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылардың ҳуқықларын бузбаўы; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланылыў ҳаққындағы нызамшылық талапларын бузған жағдайда келтирилген зыянның орнын толық көлемде қаплаўы шәрт. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар нызамшылыққа муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы ҳәм олардың жуўапкершилигинде басқа миннетлер де болыўы мүмкин. 31-статья. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыў түрлери ҳәм усыллары Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыў түрлери төмендегилерден ибарат: аң аўлаў; балық аўлаў; жабайы ҳайўанларды басқа орынларға көшириў, ықлым-шараятқа бейимлестириў ҳәм шағылыстырыў; ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен мәдений-ағартыўшылық, тәрбиялық ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыў; ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен илимий ҳәм қадағалаў жумысларын өткериў ушын пайдаланыў; жабайы ҳайўанлар жасаў ҳәрекетиниң пайдалы қәсийетлеринен пайдаланыў; жабайы ҳайўанлардан олардың жасаў ҳәрекети өнимлерин алыў мақсетинде пайдаланыў; жабайы ҳайўанларды толық емес еркинлик жағдайларда, жасалма жаратылған жасаў орталығында ямаса тутқынлықта сақлаў; ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм ветеринариялық мақсетлерде пайдаланыў; жабайы ҳайўанлар санын тәртипке салыў; зоология коллекцияларын жаратыў ҳәм толықтырып барыў. Нызамшылықта ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыўдың басқа да түрлери нәзерде тутылыўы мүмкин. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыў жабайы ҳайўанларды өзлериниң жасаў орталығынан ажыратып алған ямаса ажыратып алмаған жағдайда әмелге асырылады. 32-статья. Аң аўлаў Тәбийий еркинлик жағдайында жасап атырған жабайы ҳайўанларды аўлаў мақсетинде излеў, изине түсиў ҳәм аңлыў, тутыўға умтылыў ямаса тутыў (атыў, услап алыў) аңшылық болып табылады. Аң аўлаў орынларында қынабы шешип қойылған (жыйналған жағдайдағы, қолланыўға таяр) аңшылық қуралы ҳәм де басқа аң аўлаў қураллары ямаса аң өними, қайысынан босатып жиберилген аңшы ийтлер, аң аўлаўға үйретилген қуслар менен болыў да аң аўлаўға теңлестириледи. Аң аўлаў спорт, ҳәўескерлик ҳәм санаат мақсетинде болыўы мүмкин. 33-статья. Аң аўлаўды әмелге асырыў шәртлери Аң аўлаўға ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын берилген рухсатнамаларда көрсетилген мүддетлерде ҳәм орынларда жол қойылады. Физикалық шахсларға спорт ҳәм ҳәўескерлик мақсетинде аң аўлаў ушын рухсатнама аңшылық билети, оқ атар аңшылық қуралын (егер оннан пайдаланыў гөзленсе) сақлаў ҳәм алып жүриў ушын рухсатнама болған жағдайда бериледи. Юридикалық шахсларға санаат мақсетинде аң аўлаўға Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте жол қойылады. Аң аўлаўды әмелге асырыў барысында ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы қағыйдаларда қадаған етилген қуралларды ҳәм аң аўлаў усылларын қолланыўға жол қойылмайды. Аўыр жағдайға ушыраған ҳәм өзи ушын тәбийий емес шараятта турған ҳайўанларды аўлаў қадаған етиледи. Шахслардың спорт, ҳәўескерлик ҳәм санаат мақсетинде аўлаў қадаған етилген орынларда, қорғалатуғын тәбийий аймақларда аңшылық қуралы ҳәм басқа да аң қураллары, аң өними, қайысынан босатып жиберилген аңшы ийтлер, аң аўлаўға үйретилген қуслар менен болыўы, сондай-ақ улыўма пайдаланыўдағы жолларда қынабы шешип қойылған (жыйналған жағдайдағы, қолланыўға таяр) аңшылық қуралы ямаса аң өними менен олжаның нызамлылығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерсиз болыўы қадаған етиледи. 34-статья. Балық аўлаў Балық аўлаў ҳәм омыртқасыз суў ҳайўанларын тутыў балық аўлаў есапланады. Балық аўлаў орынларында балық тутыў қураллары ҳәм басқа да балық аўлаў қураллары ямаса балық аўы өними менен болыў да балық аўлаўға теңлестириледи. Балық аўлаў спорт, ҳаўескерлик ҳәм санаат мақсетинде болыўы мүмкин. 35-статья. Балық аўлаўды әмелге асырыў шәртлери Суў объектлеринде спорт ҳәм ҳәўескерлик мақсетинде балық аўлаўға бийпул ямаса аңшылық-балық аўлаў жәмийетлерине бекитилген орынларда усы жәмийетлердиң рухсатнамалары (жолламалары, ҳайўанларды тутыў карточкалары) тийкарында төлем есесине рухсат етиледи, мәмлекетлик қорықханалары, тәбият бағларының ҳәм мәмлекетлик биосфера резерватларының қорықханаға айландырылған зоналары аймағындағы суў объектлери буннан тысқары. Балықшылық хожалығы шөлкемлерине бекитилген тәбийий суў ҳәўизлеринде, балықшылық питомниклеринде ҳәм де ҳәўиз хожалықларында спорт ҳәм ҳәўескерлик мақсетинде балық аўлаўға усы шөлкемлердиң рухсатнамалары (жолламалары, ҳайўанларды тутыў карточкалары) бойынша жол қойылады. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың тәбийий суў ҳәўизлеринде (балықшылық питомниклери, ҳәўиз хожалықлары, магистраль каналлар, коллекторлар ҳәм киши сайлар буннан тысқары) санаат мақсетинде балық аўлаўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен белгиленген тәртипте жол қойылады. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети қарарына муўапық балықлардың көбейиў дәўиринде балық аўлаўды әмелге асырыўды қадаған етиў мүддетлери белгиленеди. Балық аўлаўды әмелге асырыў барысында ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы қағыйдаларда қадаған етилген қуралларды ҳәм де аўлаў усылларын қолланыўға жол қойылмайды. 36-статья. Аң аўлаў ҳәм (ямаса) балық аўлаў орынлары Спорт, ҳәўескерлик ҳәм санаат мақсетинде аң аўлаў ҳәм (ямаса) балық аўлаўға рухсат етилген жабайы ҳайўанлардың жасаў орынлары, көшип өтиў жоллары болған барлық жерлер, суўлар ҳәм де тоғайлар аң аўлаў ҳәм (ямаса) балық аўлаў орынлары есапланады. Төмендегилер аң аўлаў ҳәм (ямаса) балық аўлаў орынлары есапланбайды: елатлы пунктлериниң (қалалардың, посёлкалар ҳәм аўыллық елатлы пунктлериниң) жерлери, спорт ҳәм ҳәўескерлик мақсетинде балық аўлаў буннан тысқары; тәбиятты қорғаў, саўалландырыў, рекреация мақсетлерине мөлшерленген жерлер ҳәм материаллық мәдений мийрас объектлери жайласқан жерлер, егер олардың режиминде аң аўлаў ҳәм (ямаса) балық аўлаў нәзерде тутылмаған болса; (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген). санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа мақсетлерге мөлшерленген жерлер, шегара зоналары; аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер зүрәәт жыйнап алынғанға шекем, жерге ийелик етиўшилер ҳәм жерден пайдаланыўшылар менен келисимге муўапық әмелге асырылатуғын спорт ҳәм де ҳәўескерлик мақсетинде аң аўлаў ҳәм (ямаса) балық аўлаў жағдайлары буннан тысқары; қалалардың, басқа елатлы пунктлериниң ҳәм санаат орайларының көклемзарластырылған аймақлары; кәрханалар әтирапындағы санитариялық-қорғаў зоналары; суў тәмийнаты дереклерин санитариялық жақтан қорғаў зоналары; тоғайлардың санаат мақсетинде аўланатуғын баҳалы балықлар уўылдырық таслайтуғын орынларын қорғаўшы қадаған етилген аймақлары; аэродромлар ҳәм аэродром айланасындағы зоналар; тарнаўлардағы, суў айырғышлардағы, көпирлердеги, балықшылық питомниклери, ҳәўиз ҳәм басқа мәдений балықшылық хожалықлары шегараларындағы ямаса усы объектлердиң белгили бир қорғаў режиминде белгиленген алыслықтағы участкалар (аймақлар). 37-статья. Аңшылық ҳәм (ямаса) балық аўлаў хожалығын жүритиў Физикалық ямаса юридикалық шахсқа бекитилген, қорғаў ҳәм қайта көбейтиў илажлары, аң аўлаў ҳәм (ямаса) балық аўлаў әмелге асырылатуғын аймақ аңшылық ҳәм (ямаса) балық аўлаў хожалығы есапланады. Аңшылық ҳәм (ямаса) балық аўлаў хожалығын жүритиў ушын юридикалық ҳәм физикалық шахсларға жер участкалары ямаса суў объектлери турақлы ийелик етиў, турақлы ямаса мүддетли (ўақтынша) пайдаланыў ямаса ижара ҳуқықы тийкарында берилиўи мүмкин. Аңшылық ҳәм (ямаса) балық аўлаў хожалығын жүритиў: аң аўлаў ҳәм (ямаса) балық аўлаў орынларын шөлкемлестириў жойбарларының мәмлекетлик экологиялық экспертизасы жуўмағы; ҳайўанатлар дүньясы объектлерин мәмлекет есабына алыў ҳәм олардан пайдаланыў көлемлерин  есапқа алыў, аң аўлаў ҳәм (ямаса) балық аўлаў орынларының жағдайы материаллары; квоталар ҳәм ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыў ҳуқықын бериўши рухсатнамалар тийкарында юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен әмелге асырылады. Аңшылық ҳәм (ямаса) балық аўлаў хожалығын жүритиў тәртиби, сондай-ақ аң аўлаў ҳәм балық аўлаў қағыйдалары тийисли мәмлекетлик уйым тәрепинен белгиленеди. 38-статья. Жабайы ҳайўанларды басқа орынларға көшириў, ықлым-шараятқа бейимлестириў ҳәм шағылыстырыў Жабайы ҳайўанларды жаңа орынларға көшириўге, фауна ушын жаңа болған жабайы ҳайўанлар түрлерин ықлым-шараятқа бейимлестириўге, сондай-ақ жабайы ҳайўанларды шағылыстырыў илажларын өткериўге мәмлекетлик экологиялық экспертизасының ҳәм де Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң жуўмақлары тийкарында илимий ҳәм хожалық мақсетлерде жол қойылады. Жабайы ҳайўанларды өз басымшалық пенен басқа орынларға көшириў, ықлым-шараятқа бейимлестириў ҳәм шағылыстырыў қадаған етиледи. 39-статья. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен мәдений-ағартыўшылық, тәрбиялық ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыў Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен мәдений-ағартыўшылық, тәрбиялық ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыўға жабайы ҳайўанларды олардың жасаў орталығынан ажыратып алған ямаса ажыратып алмаған жағдайда, нызамшылықта белгиленген тәртипте жол қойылады. 40-статья. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен илимий ҳәм қадағалаў жумысларын өткериў ушын пайдаланыў Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен ҳайўанатлар дүньясын үйрениў ҳәм де сақлап қалыў мақсетинде илимий ҳәм қадағалаў жумысларын өткериў ушын жыл даўамында, соның ишинде балық аўлаў қадаған етилген дәўирде пайдаланыўға Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң жуўмағы инабатқа алынған жағдайда Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети менен келисилген ҳалда жол қойылады. 41-статья. Жабайы ҳайўанлар жасаў ҳәрекетиниң пайдалы қәсийетлеринен пайдаланыў Жабайы ҳайўанлар жасаў ҳәрекетиниң пайдалы қәсийетлеринен - топырақ пайда етиўшилерден, орталықтың тәбийий санитарларынан, өсимликлерди шаңландырыўшылардан, сондай-ақ жабайы ҳайўанлардың басқа пайдалы қәсийетлеринен пайдаланыў оларды жасаў орталығынан ажыратып алмаған ҳәм жабайы ҳайўанларға ямаса олардың жасаў орталығына зыян келтирмеген жағдайда әмелге асырылады. 42-статья. Жабайы ҳайўанлардан олардың жасаў ҳәрекети өнимлерин алыў мақсетинде пайдаланыў Жабайы ҳайўанлардан олардың жасаў ҳәрекети өнимлерин алыў мақсетинде пайдаланыўға оларды жасаў орталығынан ажыратып алмаған ҳәм набыт етпеген, сондай-ақ оларға ямаса олардың жасаў орталығына зыян келтирмеген жағдайда жол қойылады. 43-статья. Жабайы ҳайўанларды толық емес еркинлик шараятларын, жасалма жаратылған жасаў орталығында ямаса тутқынлықта сақлаў Жабайы ҳайўанларға олар қоршалған аймақта жасайтуғын, еркин ҳәрекетленетуғын ҳәм барлық жасаў процесслерин әмелге асыратуғын, тийкарынан тәбийий азықлықлар менен азықланатуғын ҳәм өмириниң көпшилик бөлегин инсан араласыўсыз өткеретуғын шараятлардың жаратылыўы жабайы ҳайўанларды толық емес еркинлик шараятларын сақлаў болып есапланады. Жабайы ҳайўанларға олар жабық орында (қәпесте, темир пәнжерели орында, байланған жағдайда сақлаў ҳ.т.б) жасайтуғын шараятлар жаратылыўы ҳәм олардың жасаў процессинде толық рәўиште инсанға байланыслы болыўы жабайы ҳайўанларды жасалма жаратылған жасаў орталығында ямаса тутқынлықта сақлаў болып есапланады. Жабайы ҳайўанларды көбейтиў, илимий иззертлеўлер өткериў, көрсетиў, қайта көбейтиў, сондай-ақ коммерциялық мақсетлерде толық емес еркинлик шараятларында, жасалма жаратылған жасаў орталығында ямаса тутқынлықта сақлаўға Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң рухсатнамалары тийкарында жол қойылады. Өзбекистан Республикасы қызыл китабына киргизилген жабайы ҳайўанларды, сондай-ақ зәҳәрли ҳайўанларды толык емес еркинлик шараятларын, жасалма жаратылған жасаў орталығында ямаса тутқынлықта сақлаўға Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң рухсатнамалары тийкарында, Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы менен келисилген жағдайда шөлкемлестирилетуғын арнаўлы питомниклерде ғана жол қойылады. Толық емес еркинлик шараятларында, жасалма жаратылған жасаў орталығында ямаса тутқынлықта сақланып атырған жабайы ҳайўанларды тәбийий орталыққа Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң рухсатнамасысыз өз басымшалық пенен шығарып жибериў қадаған етиледи. 44-статья. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм ветеринариялық мақсетлерде пайдаланыў Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм ветеринариялық мақсетлерде пайдаланыўға оларды жасаў орталығынан ажыратып алған ямаса ажыратып алмаған жағдайда нызамшылықта белгиленген тәртипте жол қойылады. 45-статья. Жабайы ҳайўанлардың санын тәртипке салыў Айырым түрдеги жабайы ҳайўанлар санын олардың жасаў орны шеңберинде сақлап турыў, көбейтиў ямаса кемейтиўге қаратылған илажларды өткериў жабайы ҳайўанлардың санын тәртипке салыў болып есапланады. Халықтың ден саўлығын сақлаў, аўыл хожалығы ҳайўанлары ҳәм үй ҳайўанлары кеселликлерге шалыныўының, юридикалық ҳәм физикалық шахсларға зыян келтирилиўиниң алдын алыў, ҳайўанатлар дүньясының түрлери бойынша көп түрлилигин сақлап турыў мақсетинде жабайы ҳайўанлардың айырым түрлери санын тәртипке салыў илажлары өткериледи. Айырым түрдеги жабайы ҳайўанлар санын тәртипке салыў илажлары ҳайўанлардың басқа түрлерине зыян келтирилиўин болдырмайтуғын ҳәм олардың жасаў орталығы сақлап қалыныўын тәмийинлейтуғын усыллар менен Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң жуўамақлары инабатқа алынған ҳәм де жер, суў ҳәм тоғай ресурсларын қорғаў ҳәм олардан пайдаланыўды әмелге асырыўшы тийисли мәмлекетлик уйымлар менен келисилген ҳалда әмелге асырылыўы керек. Саны тәртипке салыныўы тийис болған жабайы ҳайўанлардың түрлери ҳәм олардың санын тәртипке салыў илажларын өткериў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен белгиленеди. 46-статья. Зоология коллекциялары Юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен зоология коллекцияларын жабайы ҳайўанларды тәбийий орталықтан ажыратып алыў жолы менен жаратыў ҳәм де толықтырып барыўға тек ғана Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен берилетуғын рухсатнамалар бойынша жол қойылады. Зоология коллекцияларын жаратыў, толықтырып барыў, сақлаў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды мәмлекетлик есапқа алыў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен белгиленеди. Зоология коллекцияларының мәмлекетлик есабы алып барылыўы шәрт. Зоология коллекцияларының мәмлекетлик есапқа алынғанлығы ҳаққындағы гуўалық Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен бериледи.  47-статья. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыўды шеклеў ҳәм қадаған етиў Жабайы ҳайўанлардың айырым түрлерин қорғаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети усы ҳайўанлар түрлеринен пайдаланыўға ямаса пайдаланыўдың айырым түрлерине қарап Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң жуўмақлары инабатқа алған ҳалда шеклеўлер ямаса қадаған етиўлер белгилеўи мүмкин. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў мәплерин гөзлеп жер ийелериниң, жерден пайдаланыўшылардың, жер участкалары ижарашылары ҳәм мүлк ийелериниң, сондай-ақ тоғайлардан ҳәм де суўдан пайдаланыўшылардың, суў тутыныўшыларының ҳәм жер астынан пайдаланыўшылардың ҳуқықлары нызамшылықта белгиленген тәртипте шеклениўи ҳәм олардың жуўапкершилигине тийисли миннетлемелер жүклениўи мүмкин.  48-статья. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықын тоқтатып турыў, шеклеў ҳәм бийкар етиў Ҳайўанатлар дүньясы қорғалыўын тәмийинлеў ушын ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыў ҳуқықы тоқтатып турылыўы, шеклениўи ямаса бийкар етилиўи мүмкин. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы төмендеги жағдайларда тоқтатып турылыўы мүмкин: рухсат бериўге байланыслы талаплар ҳәм шәртлер бузылғанлығы анықланғанда; арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымның анықланған қағыйдабузарлықларды сапластырыў ҳаққындағы қарары ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар тәрепинен орынланбағанда. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы төмендеги жағдайларда шекленеди: пайдаланыў зәрүрлиги қалмағанда ямаса оннан ўаз кешилгенде; пайдаланыўдың белгиленген мүддети өткенде; ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылық бузылғанда; ҳайўанатлар дүньясы объектлерин қорғаў мақсетинде оларды пайдаланыўдан ажыратып алыў зәрүрлиги туўылғанда; пайдаланыў ҳуқықы берилген физикалық шахс қайтыс болғанда ямаса оның ҳәрекети тоқтатылғанда яки юридикалық шахс сапластырылғанда. Нызамшылықта ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықын тоқтатып турыў ямаса шеклеў ушын басқа жағдайларда да нәзерде тутылыўы мүмкин. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы төмендеги жағдайларда бийкар етилиўи мүмкин: ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыўшының рухсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетти бийкар етиў ҳаққындағы арзасына муўапық; рухсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжет қәлбеки ҳүжжетлерден пайдаланылған ҳалда алынғанлығы факты анықланғанда. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы нызамшылықта белгиленген тәртипте тоқтатып турылады, шекленеди ямаса бийкар етиледи. 49-статья. Нызамсыз рәўиште тутылған жабайы ҳайўанларды, олардың тиришилик ҳәрекети өнимлерин, оларды нызамсыз рәўиште тутыў қуралы ҳәм затларын алып қойыў Нызамсыз рәўиште тутылған жабайы ҳайўанлар, олардың тиришилик ҳәрекети өнимлери, оларды нызамсыз рәўиште тутыў қуралы ҳәм затлары нызамшылықта белгиленген тәртипте алып қойылыўы ямаса мәмлекет есабына өткерилиўи тийис. Нызамсыз рәўиште тутылған жабайы ҳайўанларды, олардың тиришилик ҳәрекети өнимлерин айыплы шахслардан алып қойыў имканияты болмаған жағдайда, олардың баҳасы нызамшылықта нәзерде тутылған муғдарда ҳәм тәртипте өндириледи. 50-статья. Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланғаны ушын ҳақы сыпатында алынған қаржыларды, жәрийма суммаларын ҳәм ҳайўанатлар дүньясы объектлерине келтирилген зыян ушын өндирилген суммаларды бөлистириў ҳәм олардан пайдаланыў Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланғаны ушын ҳақы сыпатында алынған қаржыларды, жәрийма суммаларын ҳәм қағыйдабузарлықлардың ҳайўанатлар дүньясы объектлерине келтирилген зыян ушын өндирилген суммаларды бөлистириў ҳәм олардан пайдаланыў Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети  тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

VI бап. Жуўмақлаўшы режелер

 51-статья. Зыянның орнын қаплаў Юридикалық ҳәм физикалық шахслар ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы себепли келтирилген зыянның орнын нызамшылықта белгиленген тәртипте қаплаўы шәрт. Зыянның орнын қаплаў айыпкер шахсларды нызамға муўапық жуўапкершиликтен азат етпейди.  52-статья. Тартысларды шешиў Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы тартыслар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи. 53-статья. Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.