ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ РЕФЕРЕНДУМЫ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 14.12.1996-ж. № 222/1
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ РЕФЕРЕНДУМЫ ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген 28.12.2011-ж. 112/VIII–санлы ҚР Нызамы 07.04.2022-ж. 209/XXVII-санлы ҚР НызамыI. Б А П УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
1-статья. Референдум түсиниги Қарақалпақстан Республикасының референдумы - мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың анағурлым әҳмийетли мәселелери бойынша, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасының нызамларын ҳәм басқа да шешимлерин қабыл етиў, оларды өзгертиў, жәмийетлик пикирди анықлаў мақсетинде ғалаба халықлық даўыс бериў, халық ҳәкимиятын тиккелей әмелге асырыў қуралы болып табылады. Референдум қабыл етилген шешимлер Қарақалпақстан Республикасының аймағында жоқары юридикалық күшке ийе болады ҳәм тек референдум жолы менен бийкарланыў ямаса өзгертилиўи мүмкин. 2-статья. Пуқаралардың референдумға қатнасыў ҳуқықы Қарақалпақстан Республикасының 18 жасқа шыққан пуқаралары референдумға қатнасыў ҳуқықына ийе болады. Суд тәрепинен қатнасыққа уқыпсыз деп табылған руўхый кесел пуқаралар, сондай-ақ судтың ҳүкими бойынша еркинен айырыў орынларында сақланып атырған адамлар референдумға қатнаспайды. Шығысына, социаллық ҳәс мүликлик аўҳалына, расасына ҳәм миллетине, жынысына, билимине, тилине, динге қатнасына, сиясий ҳәм басқа да көз-қарасларына, сол орында жасаў ўақтына, жумысының түрине ҳәм сыпатына қарай бөлшеклеп референдумға қатнасыў бойынша пуқаралардың ҳуқықларын тиккелей ямаса қосымша қандай да шеклеўлерге тыйым салынады. 3-статья. Референдумды өткериў принциплери Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары референдумға ықтыярлы түрде ҳәм тиккелей қатнасады. Референдумда даўыс бериў жасырын түрде әмелге асырылады, пуқаралардан ерк билдириўин қадағалаўға жол қойылмайды. Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары теңдей тийкарларда референдумға қатнасады. Ҳәр бир пуқараның өзи даўыс береди ҳәм бир даўысқа ийе болады. Референдумға таярлық көриўдиң ҳәм оны өткериўдиң барысында кең жәриялылық, жәмийетшиликтиң қатнасыўы тәмийинленеди. 4-статья. Қарақалпақстан Республикасының референдум ҳаққында нызамлары Қарақалпақстан Республикасының референдумы Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының, усы Нызамның, Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңесине сайлаў ҳаққында нызамлардың талапларына муўапық өткериледи ҳәм Қарақалпақстан Республикасының усы нызамға қайшы келмейтуғын басқа да нызам актлери менен ретлестириледи. 5-статья. Референдумға қойылмайтуғын мәселелер Республиканың аймақлық пүтинлигин өзгертиў ҳаққында, салықлар, бюджет ҳаққында, амнистия, кеширим бериў, жәмийетлик тәртипти, халықтың ден саўлығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў боынша айырықша ҳәм қыстаўлы илажлар ҳаққында, Өзбекстан Республикасы дүзген халық аралық шәртнамалардан келип шығатуғын миннетлемелерди орынлаў ҳаққындағы мәселелер, сондай-ақ лаўазымлы адамларды тайынлаў ҳәм босатыўға байланыслы мәселелер Қарақалпақстан Республикасының референдумына қойылыўы мүмкин емес. 6-статья. Референдумды белгилеў ҳуқықы Қарақалпақстан Республикасының референдумын өткериў туўралы қарар қабыл етиў ҳуқықына тек Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси ийе. 7-статья. Референдумға таярлық ҳәм оны өткериў жумысларындағы жәриялылық Нызам менен белгиленген тәртипте дизимге алынған сиясий партиялар, кәсиплик аўқамлар, ғалаба ҳәрекетлер, референдумды шөлкемлестириўге ҳәм өткериўге қатнасып атырған мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, өзлериниң жумысын ашық түрде ҳәм жәриялылық пенен әмелге асырады. Сиясий партияларға, кәсиплик аўқамларға, басқа да жәмийетлик бирлеспелерге, ғалаба ҳәрекетлерге, мийнет жәмәәтлерине ҳәм пуқараларға референдумға усынылатуғын мәселени жақлап ямаса оған қарсы иркинишсиз үгит-нәсият жумысын жүргизиў ҳуқықына кепиллик бериледи. Даўыс беретуғын күни үгит-нәсият жумыслары қадаған етиледи. Референдумға байланыслы барлық мәселелер, сондай-ақ референдумға усынылатуғын нызамлардың ямаса басқа да қарардың жойбарлары тийисли уйымлар қабыл еткен ўақыттан баслап жети күн ишинде ғалаба хабар қуралларында жәрияланыўы тийис. Ғалаба хабар қураллары референдумға таярлық көриўдиң ҳәм оны өткериўдиң барысын сәўлелендирип барады, олардың ўәкиллерине референдумға байланыслы барлық жыйналысларға ҳәм мәжилислерге иркинишсиз кириў ҳәм тийисли мәлимлеме алыў мүмкиншилигине кепиллик береди. Референдумның комиссиялары өзиниң қурамы, туратуғын орны ҳәм жумыс ўақты, даўыс бериў ушын участкалардың дизимлери ҳаққында өз ўақтында халыққа мәлим етеди. Рефрендумның комиссияларының мәжилислерине, сондай-ақ даўыс бериў ўақтында және даўысларды есаплаў ўақтында даўыс бериў участкаларында референдумның нәтийжелерин анықлаў пайытында сиясий ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлердиң және ғалаба ҳәрекетлердиң, мийнет жәмәәтлериниң, пуқаралар жыйналысларының, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасыўға ҳақылы. Комиссиялардың мәжилисине ямаса даўыс бериў ушын участкаларға қатнасыўшы адамлар өзлерин жиберген шөлкемлердиң жыйналыс протоколынан тастыйықланған көширмеге ямаса олардың ўәкиллигин тастыйықлайтуғын басқа да ҳүжжетке ийе болыўы тийис. Көрсетилген ўәкиллердиң қатнасатуғыны туўралы референдумның комиссияларына алдын-ала хабарлаў талап етилмейди. Референдум комиссияларының жумысына араласыўына жол қойылмайды. 8-статья. Референдумды материаллық жақтан тәмийинлеў Референдумға таярлық көриўге ҳәм оны өткериўге байланыслы шығынлар Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик қаржыларының есабынан жумсалады. Мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм олардың бирлеспелери референдум комиссияларының ықтыярына зәрүрли жайлар ҳәм үскенелерди бийпул береди. Референдум комиссияларының жумысы ушын мәмлекетлик емес кәрханалардың ҳәм шөлкемлердиң жайлары менен үскенелерин ижараға алғаны ушын ҳақы республикалық бюджеттиң қаржылары есабынан төленеди. 9-статья. Референдум ҳаққында нызамларды бузғаны ушын жуўапкершилик Қарақалпақстан Республикасы пуқараларының референдумда қатнасыў, үгит-нәсият жумысларын жүргизиў бойынша ҳуқықларын еркин түрде әмелге асырыўға зорлық пенен, алдаў, абай етиў ямаса басқаша түрде тосқыншылық жасаўшы адамлар, сондай-ақ референдумның ҳүжжетлерин жалған түрде рәсмийлестиргени, жасырын даўыс бериў принципин бузғаны ямаса усы нызамды басқаша түрде бузыўға жол қойғаны ушын референдум комиссияларының ағзалары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлардың лаўазымлы адамлары, сиясий партиялардың ҳәм ҳәрекетлердиң ўәкиллери, инталы топардың ағзалары, қол қойыўларды жыйнаўшы адамлар нызам ҳәм белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылады. Референдум комиссияларының ағзаларына ақыретлеўши мүнәсийбетинде болған адамлар да жуўапкершиликке тартылады.II. Б А П РЕФЕРЕНДУМҒА ТАЯРЛЫҚ КӨРИЎ ҲӘМ ОНЫ ӨТКЕРИЎ
10-статья. Референдум өткериў интасы Қарақалпақстан Республикасы референдумын өткериў интасы менен: Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары; Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси; Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы шығыўы мүмкин. 11-статья. Қарақалпақстан Республикасы пуқараларының референдум өткериўди талап етиў ҳуқықларын әмелге асырыўлары Референдум туўралы талапқа референдумға қатнасыў ҳуқықына ийе болған кеминде бир жүз елиў мың пуқараның қолы қойылған жағдайда Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары референдум өткериў ҳуқықын әмелге асырады. Егер пуқаралардың қоллары усы нызамды бузбай қойылған болса, Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси референдумды белгилеў ҳаққында қарар қабыл етиўге миннетли. Референдум өткериў туўралы талапқа қол қойыўларды жыйнаў интасын көтериў ҳуқықы Қарақалпақстан Республикасының референдумға қатнасыў ҳуқықына ийе болған ҳәр бир пуқарасына ямаса пуқаралардың топарына тийисли болады. Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары қол қойыўларды топлаў ҳуқықын ықтыярлы түрде ҳәм өз бетинше әмелге асырады. Усы нызамның талапларына муўапық Қарақалпақстан Республикасының пуқараларынан дүзилетуғын референдумның инталы топарлары қол қойыўларды жыйнаўды шөлкемлестиреди ҳәм әмелге асырады. 12-статья. Референдумның инталы топарын дүзиў ҳәм оны дизимге алыў Референдум өткериў зәрүрлиги ҳаққында мәселени шешиў мақсетинде пуқаралардың интасы бойынша пуқаралардың жыйналыслары өткериледи. Жыйналыс өткериў ушын инта көтерген адамлар 10 күннен кешикпей жыйналыс өткеретуғын орын ҳәм ўақыт туўралы халық депутатларының тийисли Кеңесин ямаса ҳәкимди хабарландырыўы лазым. Егер жыйналысқа референдумға қатнасыў ҳуқықына ийе болған Қарақалпақстан Республикасының кеминде 300 пуқарасы қатнасса, жыйналыс толық ҳуқықлы болады. Жыйналыстың алдында оған қатнасыўшылар дизимге алынады, Жыйналыс өзиниң президиумын сайлайды, референдум өткериў зәрүрлигин ямаса зәрүр емеслигин, сондай-ақ референдумға усынылатуғын қарар жойбарының текстин додалайды. Референдум өткериў ҳәм референдумға усынылатуғын тексти тастыйықлаў зәрүрлиги туўралы шешим қабыл етилген жағдайда жыйналыс ашық ямаса жасырын даўыс бериў менен кеминде 10 адам қурамында референдумның инталы топарын сайлайды ҳәм оған қол қойыўларды жыйнаў илажларын шөлкемлестириўди тапсырады. Жыйналыс протоколы ҳәм оның қатнасыўшылары дизимге алынғанлығы ҳаққында мағлыўматлар ҳәм инталы топардың дизими дизимге алыныўы ушын пуқаралардың жыйналысы өткерилген аймақтағы халық депутатлары районлық ямаса қалалық Кеңесине ямаса оның ҳәкимине тапсырылады, Кеңес ямаса ҳәким протокол алынған ўақыттан баслап бир ҳәптелик мүддетте инталы топарды дизимге алыў ҳаққында ямаса усы Нызамның талаплары бузылған жағдайда дизимге алыўдан бас тартыў ҳаққында қарар шығарыўы тийис. Дизимге алыўдан бас тартқаны туўралы районлық, қалалық судқа шағым етилиўи мүмкин, суд бес күнлик мүддет ишинде үзил-кесил қарар шығарады. Топар дизимге алынғанлығы ҳаққында қарар қабыл етилгеннен соң үш күн мүддет ишинде тийисли ҳәким инталы топардың ўәкилине дизимге алынғанлығы ҳаққында қарардың көширмесин ҳәм топардың ағзаларының гүўалықларын береди. Ҳәр бир референдум бойынша дүзилетуғын инталы топарлардың улыўма саны шекленбейди. Үш ямаса оннан аслам инталы топарлардың шешими бойынша референдумның байланыстырыўшы инталы топарын дүзиўге жол қойылады. Дизимге алынған инталы топарлар туўралы мағлыўматлар инталы топарлар дүзилген орынларда ҳәкимликлер тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығына тапсырылады. 13-статья. Референдумның инталы топарларының қол қойыўларды жыйнаў тәртиби ҳәм мүддетлери Дизимге алынғаны туўралы шешимниң көширмесин алған ўақыттан баслап референдумның инталы топары референдум өткериў ҳаққында талап етип қол қойыў қағазларына иркинишсиз түрде қол қойыўларды жыйнаўды шөлкемлестириў ҳәм бул жумысты әмелге асырыў ҳуқықына ийе. Референдум ҳаққында мәселе бойынша қол қойыўларды жыйнаўдың улыўма дәўири усы референдум бойынша бириши дүзилген инталы топарлардың биреўиниң дизимге алынғаны туўралы гүўалық берилген күннен баслап еки айдан аспаўы тийис. Егер усы мүддет ишинде пуқаралардың зәрүрли муғдардағы қол қойыўлары жыйналмаса, онда буннан былай қол қойыўларды жыйнаў тоқтатылады. Сол мәселе бойынша референдум өткериўди талап етип кеминде бир жыл өткеннен кейин шығыўға рухсат етиледи. 14-статья. Референдумның қол қойыў қағазы Референдум өткериў талап етилген Қарақалпақстан Республикасы пуқараларының қол қойыўларын жыйнаў ушын арнаўлы қағазларда референдумға усынылатуғын мәселелердиң анықламасы, ямаса усынылып атырған нызамның жойбары мәнисиниң яки басқа да шешимниң баянламасы болыўы тийис (бунда нызам жойбарының ямаса басқа да шешимниң толық тексти менен танысыў мүмкиншилиги тәмийинленген жағдайда). Референдумға усынылатуғын мәселени инталы топар бир мәнили жуўап бергендей етип анықлап жазады. Референдум өткериў ҳаққындағы талапты қуўатлайтуғын пуқара қол қойыў қағазына қол қояды, бунда өзиниң фамилиясын, исмин, әкесиниң атын, туўылған ўақтын, жасайтуғын орнын, паспортының ямаса оның орнына жүретуғын ҳүжжеттиң номерин ҳәм сериясын және қол қойыў ўақтын көрсетеди. Қол қойыў қағазлардың инталы топардың баслығы ҳәм ағзаларының биреўи тастыйықлаған болыўы керек. Ҳәр бир қол қойыў қағазында референдумның инталы топары баслығының ҳәм оның ағзаларының биреўиниң қойған тастыйықлаўшы қоллары менен бир қатарда тастыйықланған қоллардың улыўма саны туўралы жазыў жазылады. Инталы топар ағзаларының тастыйықлаўшы қоллары халық депутатлары тийисли Кеңесиниң ямаса усы инталы топар дизимге алынған орындағы ҳәкимликтиң мөри менен тастыйықланады. 15-статья. Жуўмақластырыўшы протокол Қол қойыўларды жыйнаў тамамланғаннан кейин инталы топар жуўмақластырыўшы протокол дүзеди, онда топарды дизимге алыў сәнеси, қол қойыўларды жыйнаўдың тамамланыў сәнеси, жыйналған қол қойыўлардың саны көрсетиледи. Бул протокол тийисли Кеңестиң ямаса ҳәкимликтиң мөри менен тастыйықланады ҳәм референдум өткериў талабы менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығына жибериледи, ол зәрүр болған жағдайда он күн мүддет ишинде алынған ҳүжжетлерди тексерип шығыўы мүмкин. Қол қойыў қағазларында бир пуқараның еки ямаса оннан да көбирек орынларда қол қойғанлығы анықланса, оның бир де қойған қолы есапқа алынбайды. Референдум өткериў туўралы талапта референдумды өткериў зәрүрлиги тийкарланған болып, референдумға усынылып отырған мәселелердиң анықламасы нызам ямаса басқа да қарар жойбары көрсетилиўи тийис. Қол қойыў қағазлары инталы топарды дизимга алған халық депутатлары Кеңесине сақлаў ушын тапсырылады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы инталы топарлардан алынған материалларды дизимге алады, оларда көрсетилген мағлыўматларды улыўмаластырады ҳәм усы нызамның талаплары сақланған жағдайда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тийисли комитетлери ҳәм комиссиялары шығарған жуўмақты есапқа алып референдумды белгилеў ҳаққындағы мәселени Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси сессиясының күн тәртибине киргизеди. 16-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң референдумды өткизиўди талап етиў ҳуқықының әмелге асырыўы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси референдум өткизиўди талап етиў ҳуқықын Жоқарғы Кеңестиң комитетлери, депутатлар фракциялары, сондай-ақ улыўма депутатлардың бестен бир бөлегинен аз болмаған депутатлар топарының кеминде биреўиниң усынысы болған жағдайда оны көрип шығып, қойылған мәселелерди референдумға алып шығыў арқалы әмелге асырады. (ҚР ЖК 28.12.2011-ж. 112/VIII-санлы Қарарына тийкар өзгерислер киритилген). 17-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының референдум өткизиўди талап етиў ҳуқықын әмелге асырыўы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы өзиниң референдумды өткизиўи талап етиў ҳуқықын тиккелей Жоқарғы Кеңеске усыныс етиў арқалы әмелге асырады. 18-статья. Референдум өткериў туўралы талап бойынша қарар қабыл етиў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси референдум өткериў туўралы талап бойынша төмендеги қарарлардың биреўин қабыл етиге ҳақылы а) референдумды белгилеў, оны өткериў күни ҳәм оны тәмийинлеў илажлары ҳаққында: б) референдумның интакерлери усы нызамды бузған жағдайда референдум белгилеў туўралы талапларды бийкарлаў ҳаққында: в) референдум өткериў туўралы талапларда усынылған нызамды ямаса басқа қарарды қабыл етип, буннан кейин референдум өткермеў ҳаққында. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси усынылған материалларды қарап шығады ҳәм олар бойынша түскен күннен баслап бир ай ишинде қарар қабыл етеди. Қабыл етилген қарар үш күнлик мүддетте ғалаба хабар қуралларында жәрияланады. Референдум белгилеў туўралы қарар жәрияланғаннан кейин он күннен кешиктирилмей референдумға усынылатуғын нызамның ямаса басқа қарардың жойбары жәрияланады. 19-статья. Референдум өткериў мүддети Референдум оны өткериў туўралы қарар қабыл етилген күннен баслап бир айдан бурын ҳәм үш айдан кешигип өткерилиўи мүмкин емес. Бул мүддет тек Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен созылыўы ямаса өзгертилиўи мүмкин.III. Б А П РЕФЕРЕНДУМДЫ ӨТКЕРИЎ ҲӘМ ОНЫҢ ЖУЎМАҚЛАРЫН ШЫҒАРЫЎ ТӘРТИБИ
20-статья. Референдумды өткериў бойынша комиссия Қарақалпақстан Республикасының референдумын таярлаў ҳәм өткериў ушын: а) референдумның Орайлық комиссиясы; б) референдумның округлик комиссиялары; в) референдумның участкалық комиссиялары дүзиледи. Референдумның комиссияларының ўәкилликлери олар дүзилген ўақыттан басланады ҳәм референдумның нәтийжелери жәрияланған ўақыттан баслап бир ай мүддет өткеннен кейин тоқтатылады. Қарақалпақстан Республикасы референдумын өткериўши Орайлық комиссияның ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў өткериўши Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен әмелге асырылады. Референдумның округлик ҳәм участкалық комиссиялары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў бойынша тийисли сайлаў комиссияларын дүзиў ушын белгиленген тәртипте дүзиледи. Округлик комиссиялар референдумды тайынлаў ҳаққында қарар жәрияланған күннен баслап бир ҳәпте ишинде дүзилиўи тийис, ал учсткалық комиссиялар үш ҳәпте ишинде дүзилиўи тийис. 21-статья. Референдум өткериўши комиссиялардың ўәкилликлери ҳәм олардың жумысларын тәмийинлеў Қарақалпақстан Республикасының референдум өткизиўши Орайлық комиссиясы усы Нызамның орынланыўын қадағалаўды әмелге асырады ҳәм оның ҳәмме жерде бирдей болып қолланылыўын тәмийинлейди, зәрүр болған жағдайда усы Нызамның режелерине түсиник бериў ҳаққында усыныс пенен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығына шығады, референдумды өткериў бойынша комиссиялардың жумысына бағдар береди, олардың арасында ақша қаржыларын бөлистиреди, усы нызамға қайшы келген жағдайда референдум комиссияларының қарарларын бийкарлайды, ғалаба халықлық даўыс бериўге қатнасыў ушын бюллетеньлердиң түрлерин ҳәм пуқаралардың дизимлерин, басқа да ҳүжжетлерди белгилейди, округлик ҳәм участкалық комиссиялардың қарарлары ис-ҳәрекетлерине байланыслы шағымларды қарап шығады ҳәм олар бойынша үзил-кесил шешим қабыл етеди, референдумның жуўмақларын шығарады, ҳүжжетлердиң сақланыў тәртибин белгилейди, усы Нызамға ҳәм Қарақалпақстан Республикасының басқа да ўәкилликлери әмелге асырады. Референдум өткизиўши округ комиссиялары участкалық комиссиялардың жумысларын шөлкемлестиреди, референдумда қатнасыў ҳуқықына ийе болған пуқаралардың дизиминиң дурыс дүзилиўин қадағалайды, округта даўысларды есаплаўдың нәтийжелерин анықлайды, усы Нызамның сақланыўын тәмийинлеў бойынша басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады. Референдум өткизиўши участка комиссиялары «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамында белгиленген тәртипте референдумда қатнасыў ҳуқықына ийе болған пуқаралардың дизимлерин дүзеди, усыған байланыслы мәселелерди шешеди, даўыс бериў ҳаққында пуқараларға мәлим етеди, даўыс бериў ушын жайларды таярлаўды тәмийинлейди ҳәм даўыс бериў күнинде барлық учсткаларда даўыс бериўди шөлкемлестиреди, референдум өткизиўши округ комиссиясына даўыс бериў нәтийжелерин мәлим етеди, усы Нызамға муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады. Референдум өткизиўши комиссиялардың жумысын шөлкемлестириў «Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңесине сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының талапларына муўапық иске асырылады. Референдум комиссияларының ўәкилликлери шеңберинде қабыл еткен қарарлары барлық мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, сиясий партиялар ҳәм ҳәрекетлер, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер, лаўазымлы адамлар ҳәм пуқаралар тәрепинен орынланыўы шәрт. Референдум өткизиўши комиссияның баслығы, баслықтың орынбасары, секретары ямаса ағзасы референдумға таярлық ҳәм оны өткериў дәўиринде комиссияның қарары бойынша референдумды өткериўге ажыратылған қаржылардың есабынан орташа хызмет ҳақысының сақланыўы ҳәм өндирислик ямаса хызмет бабындағы миннетлерин орынлаўдан азат етилиўи мүмкин. Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, лаўазымдағы адамлар референдум өткизиўши комиссияларға өзлериниң ўәкилликлерин әмелге асырыўында оларға жәрдем көрсетиўге, олардың жумыс ислеўи ушын зәрүр болған жайлар менен үскенелерди, мағлыўматлар менен материалларды белгиленген тәртипте бериўге миннетли. 22-статья. Референдум өткизилетуғын округлер ҳәм участкалар Қарақалпақстан Республикасының референдумын өткериў бойынша округлер референдум өткизиўши Орайлық комиссиялар тәрепинен дүзиледи. Олардың шегаралары ҳәм референдум өткизиўши округлик комиссиялардың мәкан жайы көрсетилген дизимлер референдум өткизиўши Орайлық комиссия тәрепинен референдум тайынланғаннан кейин 10 күннен кешиктирилместен жәрияланады. Референдумда даўыс бериўди өткериў ҳәм даўысларды есаплаў ушын районлардың, қалалардың ҳәм районлардағы қалалардың аймақлары участкаларға бөлинеди. Участкалар әскерий бөлимлерде де дүзиледи. Санаторий ҳәм ҳәм дем алыў үйлеринде, емлеўхана ҳәм басқа да стационарлық емлеў мәкемелеринде, алыста жайласқан ҳәм барыўы қыйын болған жерлердеги пуқаралардың болып атырған орынларында дүзилиўи мүмкин. Референдум өткизилетуғын участкаларды дүзиў тәртиби ҳәм нормасы «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамына муўапық белгиленеди. 23-статья. Референдумда қатнасыў ҳуқықына ийе болған пуқаралардың дизимлери Референдумда қатнасыў ҳуқықына ийе болған пуқаралардың дизимине референдум өткерилетуғын күнге жасы әҳ ге толған тийисли аймақта жасап атырған Қарақалпақстан Республикасының барлық пуқаралары киргизиледи. Референдумда қатнасыў ҳуқықына ийе болған пуқаралардың дизимлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў ушын белгиленген тәртипте дүзиледи ҳәм ҳәмме танысып шығыўы ушын референдум күнинен он күн алдын учсткалық комиссияның жайында, ал санаторийлар менен дем алыў үйлеринде, емлеўханалар менен басқа да стационарлық емлеў мәкемелеринде, алыста жайласқан ҳәм барыўы қыйын болған жайларда референдумға еки күн қалғанда илдирип қойылады. Участкалық комиссия дизимлер турған орын ҳәм оның менен танысыў ўақты жөнинде пуқараларға мәлим етеди. Ҳәр бир пуқара дизимге киргизилмегенлиги, надурыс киргизилгенлиги яки дизимнен шығарып таслағанлығы ҳаққында, сондай-ақ дизимлердеги анық емесликлер ҳаққында арыз етиў ҳуқықына ийе. Дизимдеги анық емесликлер ҳаққындағы арзаны референдум өткизиўши участка комиссиясы еки күннен кешиктирмей референдум алдында ямаса күнинде болса - дәрҳал көрип шығыўы, зәрүрли өзгертиўлерди киргизиўи ямаса арза ийесине оның арзасының натуўры екенлиги ҳаққында тийкарлы қарардың көширмесин бериўи шәрт. Бул қарар үстинен референдумнан кемниде үш күн алдын район (қала) судына арза берилиўи мүмкин, суд арзаны еки күн ишинде көрип шығыўы шәрт. Судтың қарары үзил-кесил болып есапланады. Референдум өткизиўши участка комиссиясы судтың қарарына муўапық дизимге дәрҳал дүзетиў киргизеди. 24-статья. Даўыс бериў бюллетени Даўыс бериў бюллетенинде референдумға қойылған сораўдың ямаса қарар жойбарының тексти ҳәм даўыс бериўшиниң өз еркин билдириўиниң вариантлары жазылады. Референдумда қарарлардың бир неше альтернативалы жойбарлары қойылған болса, онда олардың барлығы бир бюллетеньге киргизилиди, избе-из номерленеди, бир-биринен узынына сызықлар менен ажыратылып қойылады ҳәм олар бойынша айырым түрде даўыс бериледи. Даўыс бериў бюллетенлериниң үлгиси менен тексти референдумға кеминде 30 күн қалған мүддеттен кешиктирилместен Орайлық комиссия тәрепинен тастыйықланады. Округлик комиссиялар референдумға дейин 15 күн қалған мүддеттен кешиктирместен участкалық комиссияларды даўыс бериў бюллетеньлери менен тәмийинлейди. Референдумда даўыс бериў бюллетени мәмлекетлик тилде, сондай-ақ сайлаў округи халқының көпшилиги қарым-қатнас жасайтуғын тилде, референдум өткизиўши Орайлық комиссия белгиленген тәртипте ҳәм оның қадағалаўы астында басып шығарылады. 25-статья. Даўыс бериў ўақты ҳәм орны Даўыс бериў референдум күни жергиликли ўақыт пенен саат 7 ден 20 ға дейин жүргизиледи. Даўыс бериў ўақты ҳәм орны ҳаққында участкалық комиссия пуқараларға референдумға кеминде бес күн қалғанда мәлим етеди. Әскериў бөлимлерде дүзилген, санаторий менен дем алыс үйлеринде, емлеўханалар менен басқа да стационарлық емлеў мәкемелеринде, алыста жайласқан ҳәм барыўы қыйын болған жайларда учсткалық комиссия дизимге киргзилген барлық сайлаўшылар даўыс берип болған жағдайда даўыс бериўди қәлеген ўақытта тамамланды деп жәриялаўы мүмкин. 26-статья. Референдумда даўыс бериў ҳәм даўысларды есаплаў Референдумда даўыс бериўди шөлкемлестириў тәртиби ҳәм даўысларды есаплаў «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының талапларына муўапық әмелге асырылады. Бюллетень алған ўақытта пуқара даўыс бериўшилердиң дизимдеги өз фамилиясының тусына қол қояды. Пуқаралар даўыс бергенде егер қарсы даўыс берсе референдумға киргизилген сораўдың анықламасын сызады ямаса жақлап даўыс бергенде оны сызбайды. Тастыйықланбаған үлгидеги бюллетеньлер ҳақыйқый емес деп табылады. Бюллетеньниң ҳақыйқатлығына гүман туўған жағдайда мәселе учсткалық комиссия тәрепинен даўыс бериў жолы менен шешиледи. Егер даўыс бериўшилердиң дизимине киргизилген пуқара референдум күни жасайтуғын орнында болыў мүмкиншилигине ийе болмаса, ол өзиниң жасайтуғын орны бойынша участкалық комиссиядан бюллетен сорап алыўы, даўыс бериўшилердиң дизимине қол қойыўы, бюллетеньди толтырыўы ҳәм оны конвертке салып желимлеп учсткалық комиссияға таслап кетиўи мүмкин. Мүддетинен бурын даўыс бериў бюллетеньлери жабық конвертлерде референдум күни даўыс тамамланғаннан кейин қутыларды ашыўдан алдын комиссия ағзаларының қатнасыўында участкалық комиссияның баслығы тәрепинен қутыға салынады. 27-статья. Даўыс бериўдиң жуўмақлары бойынша протокол Берилген даўысларды есаплаўдың жуўмақлары участкалық комиссияның мәжилисинде додаланады ҳәм еки нусқада дүзилген протоколға киргизиледи. Протколлар сыя менен ямаса шарикли ручкалар менен толтырылады, участкалық комиссияның барлық ағзалары тәрепинен оған қол қойылады ҳәм мөр басылып тастыйықланады. Егер бир неше референдумлар өткерилген болса, олардың ҳәр бири бойынша өз алдына протоколлар дүзиледи. Протколдың биринши нусқасы округлик комиссияға алып келинеди, екинши нусқасы участкалық комиссияда сақлаў ушын қалдырылады. Округлик комиссия участкалық комиссиялардың протоколлары тийкарында алынған мағлыўматларды улыўмаластырады, оларды тексереди ҳәм додаланғаннан кейин еки нусқада жуўмақлаўшы протокол дүзеди ҳәм оған қол қойып, мөр менен тастыйықлайды, оның биринши нусқасы референдумның орайлық комиссиясына иркилместен жибериледи ямаса басқа усыллар менен жибериледи. Референдум өткизиўши округ ҳәм участка комиссиялары даўысларды есаплап болғаннан кейин протоколлардың көширмелерин, бюллетенлерди ҳәм соның ишинде бийкар етилген бюллетеньлерди мөрленген жағдайында тийисли район ҳәм қала ҳәкимине тапсырады, бул жерде олар еки ай даўамында сақланады, буннан кейин олар усы ўақыт ишинде референдумның нәтийжелерине наразылық билдирилмесе, бул ҳүжжетлер жоқ етиледи. 28-статья. Референдумның нәтийжелерин анықлаў Референдум өткизиўши Орайлық комиссия референдум өткизиўши барлық округлик комиссиялардың протоколлары тийкарында: референдумда қатнасыў ҳуқықына ийе болған пуқаралардың санын; бюллетень алған пуқаралардың санын; даўыс бериўге қатнасқан пуқаралардың санын; референдумға қойылған қарардың жойбарын жақлап берилген даўыслардың санын; қарсы болып берилген даўыслардың санын; ҳақыйқый емес деп табылған бюллетеньлердиң санын анықлайды. Егер референдумға қатнасқан пуқаралардың ярымынан асламы референдумға қойылған мәселелер бойынша жақлап пикир билдирсе онда бул мәселелер бойынша қарар қабыл етилген деп есапланады. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясын қабыл етиў, оған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў мәселелери бойынша референдум өткерилген жағдайда, егер референдумға қатнасыў ушын дизимге киргизилген Қарақалпақстан Республикасы пуқараларының ярымынан асламы қарарларды жақлап даўыс берсе олар қабыл етилген болып есапланады. Референдум барысында ямаса даўысларды есаплаў ўақтында усы Нызам даўыс бериўдиң нәтийжелерине тәсир көрсететуғын дәрежеде бузылыўына жол қойылғаны ушын референдум нәтийжелери ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин. Усындай нызам бузылыў жағдайлары анықланғанда референдум нәтийжелери үстинен бир ай мүддет ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына шағым етилиўи мүмкин. (28-статьяныӊ төртинши бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 29-статья. Референдумда қабыл етилген қарарды жәриялаў ҳәм оның күшине кириўи Референдум нәтийжелери даўыс бериў тамамланғаннан кейин он күннен кешиктирилместен референдум өткизиўши Орайлық комиссия тәрепинен ғалаба хабар қураллары арқалы Қарақалпақстан Республикасының халқына жеткериледи. Қайсы бир округ ямаса участка бойынша даўыс бериўдиң нәтийжелери ҳақыйқый емес деп табылған жағдайда референдум өткизиўши Орайлық комиссия референдум өткизиўши тийисли комиссияға еки ҳәпте ўақыт ишинде усы округте ямаса учсткада қайта даўыс бериўди өткериўди тапсырыўы ямаса референдум өткизиўши Орайлық комиссия өзиниң қарары менен усындай округлер, участкалар бойынша даўыс бериўдиң нәтийжелерин, егер оларсыз-ақ улыўма алғанда референдум болып өтти деп есаплаў мүмкин болған жағдайда, референдумның улыўма нәтийжелеринен шығарып таслаўы мүмкин. Референдум өткизиўши Орайлық комиссияның қарарлары үстинен усы қарарлар қабыл етилген күннен баслап бир ҳәпте ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына шағым етилиўи мүмкин. (29-статьяныӊ екинши бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Референдумда қабыл етилген қарар референдумның нәтийжелери ҳаққында рәсмий түрде билдирилген ўақыттан баслап жети күн мүддеттен кешиктирилмей Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен жәрияланады ҳәм егер референдумның қарарында басқа мүддет нәзерде тутылған болмаса, жәрияланғаннан баслап күшине киреди.