Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

МУЗЕЙЛЕР ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 08.10.2009-ж. №249/III МУЗЕЙЛЕР ҲАҚҚЫНДА

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамы 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы 07.04.2022-ж. 209/XXVII-санлы ҚР Нызамы

I-БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР

 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети музейлердиң шөлкемлестирилиўи ҳәм жумысы саласындағы қатнасықларды тәртиплестириўден ибарат. 2-статья. Музейлер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Музейлер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызамнан ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының ҳалықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының музейлер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылғанынан басқаша режелер белгиленген болса, халықаралық шәртнаманың режелери қолланылады. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: Миллий музей қоры - Қарақалпақстан Республикасы аймағында турақлы турған музей предметлери ҳәм музей коллекциялары қосындысы; Миллий музей қорының Мәмлекетлик каталогы - миллий музей қоры қурамына киргизилген ҳәр бир музей предмети ҳәм ҳәр бир музей коллекциясы ҳаққындағы тийкарғы мағлыўматлар орын алған есапқа алыў ҳүжжети; музей - музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын сақлаў, үйрениў ҳәм көпшиликке көрсетиў ушын меншик ийеси тәрепинен шөлкемлестирилген турақлы жумыс жүргизиўши коммерциялық емес мәденият мәкемеси; музей предмети - сапасы ямаса айрықша белгилери жәмийет мәплери ушын сақлаў, үйрениў ҳәм көпшиликке көрсетиў зәрүрлигин талап етиўши мәдений байлық; музей коллекциясы - өзиниң келип шығыў өзгешелиги ямаса формасы жағынан жақынлығы себепли яки басқа белгилери бойынша бирлестирилгенде ғана музей предмети өзгешелигине ийе болатуғын мәдений байлықлар комплекси; сақлаў - музейдиң музей предмети ҳәм музей коллекциясы пүтин сақланыўын тәмийинлеў ушын материаллық ҳәм ҳуқықый шараятлар жаратылыўын нәзерде тутыўшы жумыс түри; жәриялаў - музейдиң музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын көпшилик алдында көрсетиў, баспа басылымларда, электрон ҳәм басқа тәризде тәкирарлаў арқалы жәмийетке усыныўдың барлық формаларын нәзерде тутыўшы жумыс түри.

II-БАП. Музейлерди басқарыў

4-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң музейлерди басқарыў саласындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: музейлер жумысын қоллап-қуўатлаў, жетилистириўге байланыслы бағдарламалар ҳәм шешимлер қабыл етеди; музейлерди шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў бойынша қарар қабыл етеди; мәмлекетлик музейлерди қаржыландырыў муғдарын өз ўәкилликлери шеңберинде белгилейди; Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизилген ҳәм өз аймағында жайласқан музейлердеги музей предметлери ҳәм музей коллекциялары белгиленген тәртипте сақланыўын тәмийинлейди; нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) 5-статья. Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң музейлерди басқарыў саласындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги: Миллий музей қорының Мәмлекетлик каталогын жүргизеди; музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын белгиленген тәртипте Миллий музей қорына киргизиў ҳәм оның қурамынан шығарыў бойынша тийисли тәртипте усыныс береди; Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын ийеликтен шығарыў ямаса универсал ҳуқықый мийрасхорлық тәртибинде яки басқа усылда бир шахстан екинши шахсқа өткергенлик ҳаққындағы хабарнамаларды жоллайды ҳәм олардыӊ реестрин жүритиўге тийисли тәртипте усыныс береди; (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын кирип көриў шәртлери үстинен қадағалаўды әмелге асырады; музей хызметкерлериниң маманлығын асырыў ҳәм оларды қайта таярлаўды шөлкемлестиреди; нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) 6-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының музейлерди басқарыў саласындағы ўәкилликлери Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары: Миллий музей қоры қурамына киргизилген ҳәм өз аймағында жайласқан музейлерде турған музей предметлери ҳәм музей коллекцияларының пүтин сақланыўын тәмийинлейди; өз аймағындағы мәмлекетлик музейлерди қаржыландырыў муғдарын өз ўәкилликлери шеклеринде белгилейди; нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.

III-БАП. Миллий музей қоры

 7-статья. Миллий музей қорының қурамы Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекциялары Қарақалпақстан халқы мәдений мийрасының ажыралмас бөлеги болып табылады. Миллий музей қоры Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли бөлегинен ҳәм мәмлекетке тийисли болмаған бөлегинен ибарат. Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларының пуқаралық айланысына тек ғана усы Нызамда белгиленген шеклеўлерге бойсынған ҳалда жол қойылады. 8-статья. Музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын миллий музей қоры қурамына киргизиў Музей предметлерин ҳәм музей коллекцияларын Миллий музей қоры қурамына киргизиў белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Музей предметлери ҳәм музей коллекциялары Миллий музей қорының Мәмлекетлик каталогында дизимнен өткерилген күннен баслап Миллий музей қоры қурамына киргизилген болып есапланады. Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларының меншик ийесине дизимнен өткерилгенлиги ҳаққында гүўалық бериледи. 9-статья. Музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын Миллий музей қоры қурамынан шығарыў Музей предметлерин ҳәм музей коллекцияларын Миллий музей қоры қурамынан шығарыў белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Тийисли факт Миллий музей қорының Мәмлекетлик каталогында дизимнен өткерилген күннен баслап музей предметлери ҳәм музей коллекциялары Миллий музей қоры қурамынан шығарылған болып есапланады. 10-статья. Миллий музей қорының Мәмлекетлик каталогын жүргизиў Миллий музей қорының Мәмлекетлик каталогын жүргизиў белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларына болған пуқаралық ҳуқық ҳәм миннетлемелерди белгилеў, өзгертиў ямаса бийкарлаўға қаратылған ҳәрекетлери, соның ишинде меншик ҳуқықын басқа шахсқа өткериў усы  Миллий музей қорының Мәмлекетлик каталогында дизимнен өткерилгеннен кейин ғана әмелге асырылады. 11-статья. Музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын Өзбекстан Республикасынан алып шығыў Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекциялары Өзбекстан Республикасынан алып шығылыўы мүмкин емес, усы статьяның екинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдай буған кирмейди. Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын Өзбекстан Республикасы аймағынан тысқарыға ўақытша алып шығыў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. 12-статья. Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларының пуқаралық айланысы өзгешеликлери Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекциялары тек ғана Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң усынысына муўапық Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги хабардар етилгеннен кейин ийеликтен шығарылыўы ямаса универсал ҳуқықый мийрасхорлық тәртибинде яки басқаша усылда бир шахстан екинши шахсқа өтиўи мүмкин. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей коллекциясы бөлинбейди. 13-статья. Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларына болған меншик түрлери Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекциялары жеке ҳәм ғалаба меншик түрлеринде болыўы мүмкин.

IV-БАП. Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли бөлеги

14-статья. Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли бөлегиниң қурамы Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли бөлегиниң қурамына кимниң ийелигинде турғанлығынан бийғәрез мәмлекет мүлки болған музей предметлери ҳәм музей коллекциялары киреди. Мәмлекетлик музейлер, басқа мәмлекетлик мәкемелер тәрепинен шөлкемлестириўшилер қаржылары ямаса өз қаржылары яки басқа қаржылар есабынан алынатуғын, сондай-ақ нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да усылда алынатуғын музей предметлери ҳәм музей коллекциялары Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли бөлеги қурамына киреди. 15-статья. Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын ийеликтен шығарыў Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын ийеликтен шығарыў мүмкин емес, олардың жоғалыўы, жемирилиўи ямаса басқа музей предметлери ҳәм музей коллекцияларына алмастырылыўы жағдайлары буған кирмейди. (15-статьяныӊ екинши бөлими Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2014-жыл 27-июньдағы 209/XV-санлы ҚР Нызамына муўапық алып тасланған) 16-статья. Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын басқарыў Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекциялары оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында мәмлекетлик музейлерге, басқа да мәмлекетлик мәкемелерге бекитип қойылады. Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын оператив басқарыў тапсырылған мәмлекетлик музейлер, басқа да мәмлекетлик мәкемелер: музей предметлери ҳәм музей коллекцияларының физикалық пүтин сақланыўы ҳәмде қәўипсизлигин; музей предметлери ҳәм музей коллекциялары менен байланыслы есапқа алыў ҳүжжетлериниң жүргизилиўи ҳәм пүтин сақланыўын; музей предметлери ҳәм музей коллекцияларынан илимий, мәдений, ағартыўшылық ҳәм билимлендириў мақсетлеринде пайдаланылыўын тәмийинлеўи шәрт. 17-статья. Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли бөлегиниң жағдайы үстинен мәмлекетлик қадағалаў Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли бөлегиниң жағдайы үстинен мәмлекетлик қадағалаў төмендеги формаларда әмелге асырылады: музей предметлери ҳәм музей коллекцияларының пүтин сақланыўы жағдайын ҳәм оларды сақлаў шараятларын тексериў; музей предметлери ҳәм музей коллекциялары ҳаққында Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекциялары есабын жүргизиў ушын зәрүр болған сораўнамалар жоллаў ҳәм мәлимлеме алыў.

V-БАП. Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли болмаған бөлеги

18-статья. Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли болмаған бөлегиниң қурамы Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли болмаған бөлегиниң қурамына Миллий музей қоры қурамына киргизилген жеке меншик болған музей предметлери ҳәм музей коллекциялары киреди. 19-статья. Музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизиў Музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли болмаған бөлеги қурамына киргизиў белгиленген тәртипте олардың меншик ийесиниң арзасы тийкарында әмелге асырылады. 20-статья. Музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли болмаған бөлеги қурамынан шығарыў Музей предметлери ҳәм музей коллекциялары жоғалған ямаса жемирилген жағдайларда, оларды Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли болмаған бөлеги қурамынан шығарыў белгиленген тәртипте әмелге асырылады. 21-статья. Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли болмаған бөлеги қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын есапқа алыў ҳәм сақлаў Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли болмаған бөлеги қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын есапқа алыў ҳәм сақлаў белгиленген тәртипте әмелге асырылады. 22-статья. Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли болмаған бөлегиниң жағдайы үстинен мәмлекетлик қадағалаў Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли болмаған бөлегиниң жағдайы үстинен мәмлекетлик қадағалаў төмендеги формаларда әмелге асырылады: музей предметлери ҳәм музей коллекцияларының пүтин сақланыўы жағдайын ҳәм оларды сақлаў шараятларын тексериў; мәмлекетлик емес музейлерге бекитип қойылған музей предметлери ҳәм музей коллекцияларының меншик ийеси алдына оларды сақлаў орынларын өзгертиў ямаса оларды ийеликтен шығарыў ҳаққындағы мәселени қойыў; музей предметлери ҳәм музей коллекциялары ҳаққында Миллий музей қоры қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекциялары есабын жүргизиў ушын зәрүр болған сораўнамалар жоллаў ҳәм мәлимлеме алыў. 23-статья. Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли болмаған бөлеги қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларына байланыслы келисимлер Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли болмаған бөлеги қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекциялары бойынша алды-сатты ямаса саўға етиў келисимлери дүзилгенде, сатып алыўшы ямаса саўға алыўшы усы предметлер ҳәм коллекцияларға болған сатыўшы ямаса саўға етиўшиниң барлық миннетлемелерин өз мойнына алыўы шәрт. Усы предметлер ҳәм коллекциялардың алып-сатылыўында мәмлекет жеңилликли сатып алыў ҳуқықына ийе болады. Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли болмаған бөлеги қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекциялары ўәсият ямаса нызамға муўапық мийрас етип алынғанда, мийрасхор усы предметлер ҳәм коллекцияларға мийрас қалдырыўшыда болған барлық миннетлемелерди өз мойнына алыўы шәрт. Бул миннетлемелерден бас тартқан жағдайда мийрасхор усы музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын усы статьяның биринши бөлегинде нәзерде тутылған шәртлерде сатыўы ямаса басқа келисим дүзиўи мүмкин. Бул жағдайда мәмлекет жеңилликли сатып алыў ҳуқықына ийе болады. Егер сатып алыўшы, саўға алыўшы ямаса мийрасхор Миллий музей қорының мәмлекетке тийисли болмаған бөлеги қурамына киргизилген музей предметлери ҳәм музей коллекцияларына байланыслы өз миннетлери орынланыўын тәмийинлемесе, мәмлекет усы предметлер ҳәм коллекцияларды нызам ҳүжжетлерине муўапық ҳақысын төлеп алыўды әмелге асырыў ҳуқықына ийе. Музей предметлери ҳәм музей коллекцияларына байланыслы усы статьяда нәзерде тутылған келисимлер Миллий музей қорының Мәмлекетлик каталогында мәмлекетлик дизимнен өткерилген күннен баслап дүзилген болып есапланады. Усы статьяның биринши-үшинши бөлимлеринде нәзерде тутылған музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын мәмлекет тәрепинен жеңилликли сатып алыў ҳуқықы ямаса ҳақысын төлеп алыў ҳуқықын әмелге асырыў Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен әмелге асырылады.

VI-БАП. Музейлерди шөлкемлестириў

 24-статья. Музейлерди шөлкемлестириў мақсетлери Музейлер төмендеги мақсетлерде шөлкемлестириледи: музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын сақлаў; музей предметлерин ҳәм музей коллекцияларын анықлаў ҳәм топлаў; мәдений, ағартыўшылық ҳәм билимлендириў жумысын әмелге асырыў; музей предметлерин ҳәм музей коллекцияларын үйрениў; музей предметлерин ҳәм музей коллекцияларын жәриялаў; музейлерди усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылғанынан тысқары басқа мақсетлер ушын шөлкемлестириўге жол қойылмайды. 25-статья. Музейлерди шөлкемлестириў шәртлери Музейлерди шөлкемлестириў ушын төмендеги шәртлер мәжбүрий болып табылады: музей тематикасына муўапық музей предметлери ҳәм музей коллекцияларының болыўы; музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын сақлаў ҳәм көпшиликке көрсетиў талапларына жуўап беретуғын материаллық-техникалық базаның, соның ишинде имарат (хана ямаса ханалар), зәрүрли көргизбе үскенелери, қорғаў қураллары ҳәм өртке қарсы қураллардың болыўы; музей жумысын тәмийинлеў ушын зәрүрли финанслық қаржылардың болыўы; музей-қорықханаларды шөлкемлестириў ушын нызам ҳүжжетлерине муўапық қосымша шәртлер белгиленеди. 26-статья. Музейлердиң түрлери ҳәм категориялары Меншик түрине қарай мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес музейлер шөлкемлестирилиўи мүмкин. Қәнигелесиўине қарай музейлер: тийкарғы жумысы музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын сақлаў, үйрениў ҳәм көпшиликке көрсетиўден ибарат болған музейлерге; тийкарғы жумысы тарийхый-мәдений қорықхана ҳәм оның менен байланыслы тәбийғый ландшафт қурамына киретуғын мәдений мийрас объектлерин, сондай-ақ музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын сақлаў, үйрениў ҳәм көпшиликке көрсетиўден ибарат болған музей-қорықханаларға бөлинеди. Мәмлекетлик музейлер әҳмийетине қарай Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын категорияларға бөлинеди. 27-статья. Музейлерди шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў тәртиби Музейлер нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шөлкемлестириледи, қайта шөлкемлестириледи ҳәм сапластырылады. 271-статья. Музейлердиң жумыс түрлери Музейлер нызамшылықта қадаған етилмеген ҳәм де усы Нызамның 24-статьясында нәзерде тутылған музейлерди шөлкемлестириў мақсетлерине сай болған жумыс түрлерин өз шөлкемлестириў ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырыўы мүмкин. Бунда музейлер тәрепинен музей буйымлары ҳәм музей коллекцияларыныӊ пүтин сақланыўы тәмийинлениўи керек. (271-статьясы Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық толықтырылған) 28-статья. Музейлерди қаржыландырыў Мәмлекетлик музейлерди қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан әмелге асырылады. Мәмлекетлик емес музейлерди қаржыландырыў олардың меншик ийеси қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылар есабынан әмелге асырылады. Мәмлекетлик музей жайласқан имарат басқа шөлкемлерге берилген жағдайда, усы мәселе бойынша шешим қабыл еткен мәмлекетлик уйым мәмлекетлик музейди тең баҳадағы имарат пенен тәмийинлеўди ҳәм усы музейдиң музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын, сондай-ақ көргизбе үскенелерин көшириў менен байланыслы шығынларды қаплаўы шәрт. Мәмлекетлик музейлерине пуллы хызметлер көрсетиўден, қайырқомлықлардан ҳәм де нызамшылықта қадаған етилмеген басқа дереклерден келип түсетуғын қаржылар келеси жыл ушын бюджеттен қаржылардырыў көлемин белгилеўде есапқа алынбайды ҳәм бул қаржылар есабынан бюджеттен қаржыландырыў муғдары кемейтирилмейди. Бунда көрсетилген қаржылардан мәмлекетлик музейлериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа мақсетлер ушын пайдаланылады. (28-статьяныӊ төртинши бөлими Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық толықтырылған) 29-статья. Музейлерге берилетуғын жеңилликлер Музейлер ушын жеңилликлер нызам ҳүжжетлерине муўапық бериледи. 30-статья. Музейлердиң халықаралық бирге ислесиўи Музейлердиң халықаралық бирге ислесиў саласындағы жумысы нызам ҳүжжетлери ҳәм Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларына муўапық әмелге асырылады.

VII-БАП. Миллий музей қорының ашықлығын тәмийинлеў

 31-статья. Музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын кирип көриў Миллий музей қоры қурамына киргизилген ҳәмде музейлерде турған музей предметлери ҳәм музей коллекциялары пуқаралар кирип көриўи ушын ашық. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Миллий музей қоры қурамына киргизилген ҳәм музейлерде турған музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын  кирип көриў төмендеги тийкарларға муўапық шеклениўи мүмкин: музей предметлери ҳәм музей коллекцияларының пүтин сақланыўы жағдайы қанаатландырарсыз болса; реставрация жумыслары әмелге асырылып атырғанда; музей предметлери ҳәм музей коллекциялары музей запаснигинде болғанда. Миллий музей қоры қурамына киргизилген ҳәм музейлерде, соның ишинде музей запаснигинде турған музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын кирип көриў тәртиби ҳәм шәртлери нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди. 32-статья. Музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын жәриялаў Миллий музей қоры қурамына киргизилген ҳәм музейлерде турған музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын биринши мәрте жәриялаў ҳуқықы меншик ийеси тәрепинен усы музей предметлери ҳәм музей коллекциялары бекитип қойылған музейге тийисли. Миллий музей қоры қурамына киргизилген ҳәм музейлерде турған музей предметлери ҳәм музей коллекцияларын тәкирарлаўдан коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў ҳуқықларының басқа шахсқа өткерилиўи музей предметлери ҳәм музей коллекцияларының меншик ийеси белгилеген тәртипте музейлер тәрепинен әмелге асырылады. Музей предметлери ҳәм музей коллекциялары, музейлердиң имаратлары, музейлер аймағында жайласқан объектлер сүўретинен пайдаланған ҳалда сүўретлеў, баспа естелик ҳәм басқа да тиражлы өнимлерди ҳәм халық тутыныў товарларын ислеп шығарыў, музейлердиң атамалары ҳәм символикалық белгилеринен пайдаланыў нызам ҳүжжетлерине муўапық музейлердиң ҳәкимшилигиниң рухсаты менен әмелге асырылады.

VIII-БАП. Жуўмақлаўшы режелер

33-статья. Тартысларды шешиў Музейлердиң шөлкемлестирилиўи ҳәм жумысы саласындағы тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шешиледи. 34-статья. Музейлер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкерлик Музейлер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыпкер болған шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.