ЖАС ӨСПИРИМЛЕР АРАСЫНДА ҚАДАҒАЛАЎСЫЗЛЫҚ ҲӘМ ҲУҚЫҚБУЗАРЛЫҚЛАРДЫҢ ПРОФИЛАКТИКАСЫ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 28.12.2011-ж. №110/VIII
ЖАС ӨСПИРИМЛЕР АРАСЫНДА ҚАДАҒАЛАЎСЫЗЛЫҚ ҲӘМ ҲУҚЫҚБУЗАРЛЫҚЛАРДЫҢ ПРОФИЛАКТИКАСЫ ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 29.06.2019-ж. 258/XXVI-санлы ҚР Нызамы 07.04.2022-ж. 209/XXVII-санлы ҚР Нызамы1-БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы саласындағы қатнасықларды тǝртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳаққында нызамшылық Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы туўралы нызамшылық усы Нызам ҳǝм басқа да нызам актлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы туўралы нызам актлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шǝртнама қағыйдалары қолланылады. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: жас өспиримлер - он сегиз жасқа толмаған шахс; жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы - жас өспиримлердиң қараўсызлығына, олар тǝрепинен ҳуқықбузарлықлар яки басқа антисоциаллық ҳǝрекетлер жүз бериўине имкан беретуғын себеплер ҳǝм шараятларды анықлаў ҳǝм болдырмаўға қаратылған жеке тǝртиптеги профилактикалық жумыс пенен биргеликте ǝмелге асырылатуғын социаллық, ҳуқықый, медициналық ҳǝм басқа да илажлар системасы; социаллық жақтан қǝўипли жағдайдағы жас өспирим - жас өспиримниң қадағалаўсызлығы яки қараўсызлығы ақыбетинде оның өмири, яки саламатлығы ушын қǝўип туўдыратуғын ямаса оны тǝмийинлеў, тǝрбиялаў ҳǝм оған билим бериў талапларына жуўап бермейтуғын шараятта болған яки ҳуқықбузарлық ямаса басқа да антисоциаллық ҳǝрекетлерди ислейтуғын жас өспирим; социаллық жақтан қǝўипли жағдайдағы шаңарақ - ата-ана яки ата-анасының орнын басыўшы шахслар жас өспиримлерди тǝмийинлеў, тǝрбиялаў ҳǝм оларға билим бериў бойынша өз миннетлерин орынлаўдан бас тартқан яки тийисли дǝрежеде орынламай атырған ямаса олардың минез-қулқына унамсыз тǝсир көрсетип атырған яки оларға мийримсиз қатнаста болып атырған шаңарақ; қадағалаўсыз - ата-ана яки ата-анасының орнын басыўшы шахслар тǝрепинен жас өспиримди тǝмийинлеў, тǝрбиялаў ҳǝм оған билим бериў бойынша өз жуўапкершиликлерин орынлаўдан бас тартыўы яки тийисли дǝрежеде орынламаўы нǝтийжесинде жүрис-турысы қадағалаўсыз қалған жас өспирим; жеке тǝртиптеги профилактикалық жумыс - социаллық жақтан қǝўипли жағдайда болған жас өспиримлер ҳǝм шаңарақларды өз ўақтында анықлаў, сондай-ақ оларды социаллық-педагогикалық реабилитациялаў ҳǝм жас өспиримлердиң ҳуқықбузарлықлар яки басқа да антисоциаллық ҳǝрекетлерди ислеўиниң алдын алыўға байланыслы жумыс; қараўсыз - анық жасаў орны болмаған қадағалаўсыз қалған жас өспирим; антисоциаллық ис-ҳǝрекетлер - жас өспиримниң турақлы түрде спиртли ишимликлер, нǝшебентлик затлар, психотроп яки ақыл-жигерине тǝсир етиўши басқа да затларды пайдаланыўы, бузықшылық, тиленшилик пенен шуғылланыўы усаған ис-ҳǝрекетлери, сондай-ақ өзге пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин бузатуғын басқа да ҳǝрекетлери. 4-статья. Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы бойынша жумыстың тийкарғы ўазыйпалары Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы бойынша жумыстың тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат: жас өспиримлер қадағалаўсызлығы, қараўсызлығы, олар тǝрепинен ҳуқықбузарлықлар яки басқа антисоциаллық ис-ҳǝрекетлер ислеўиниң алдын-алыў, буларға мүмкиншилик беретуғын себеплер ҳǝм шараятларды анықлаў ҳǝмде сапластырыў; жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплериниң қорғалыўын тǝмийинлеў; жас өспиримлерде нызамға бойсыныўшылық сезимин қǝлиплестириў; социаллық жақтан кǝўипли жағдайдағы жас өспиримлер ҳǝм шаңарақларды социаллық-педагогикалық реабилитациялаў; жас өспиримлерди ҳуқықбузарлықлар яки басқа да антисоциаллық ис-ҳǝрекетлерди ислеўге тартатуғын жағдайларды анықлаў ҳǝм оларды сапластырыў. 5-статья. Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы бойынша жумыстың тийкарғы принциплери Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасына тийисли жумыстың тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат: нызамлылық; инсаныйлық; системалылық; шаңарақты қоллап-қуўатлаў ҳǝм оның менен өз-ара бирге ислесиў; социаллық жақтан қǝўипли жағдайда болған жас өспиримлердиң тǝрбиясына жеке тǝртипте жақынласыў. 6-статья. Жас өспиримлер арасында қадағалаўызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы бойынша жумысты информациялық тǝмийинлеў Мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм басқада шөлкемлер, сондай-ақ пуқаралар: прокуратура уйымларын - жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплери бузылғанлығы туўралы; жас өспиримлер ислери бойынша ведомстволараралық комиссияларын - жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплери бузылғанлығы туўралы, сондай-ақ жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелер жумысында жол қойылған кемшиликлер туўралы; ǝменгерлик ҳǝм қǝўендерлик уйымларын - жетим балалар, ата-анасының қǝўендерлигинен айрылған ямаса өмири яки денсаўлығына қǝўип туўдыратуғын ямаса тǝмийинлеў, тǝрбиялаў ҳǝм билим бериў талапларына жуўап бермейтуғын шараятта болған балалар туўралы; пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларын - социаллық жақтан қǝўипли жағдайдағы ҳǝм мǝмлекеттиң социаллық жǝрдемине мүтǝж болған жас өспиримлер ҳǝм шаңарақлар анықланғанлығы туўралы; ишки ислер уйымларын - социаллық жақтан қǝўипли жағдайдағы жас өспиримлер ҳǝм шаңарақлар, ҳуқықбузарлықлар яки басқа да антисоциаллық ис-ҳǝрекет ислеген жас өспиримлер туўралы, сондай-ақ жас өспиримлерди ҳуқықбузарлықлар яки антисоциаллық ис-ҳǝрекетти ислеўге тартып атырған ямаса оларға қарата басқа да ҳуқыққа қарсы ис-ҳǝрекетлер ислеп атырған ата-аналар ҳǝм өзге шахслар туўралы; денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымлары ҳǝм денсаўлықты сақлаў мǝкемелерин - турақлы түрде спиртли ишимликлер, нǝшебентлик затлар, психотроп яки ақыл-жигерине тǝсир етиўши басқа да затларды пайдаланыўы ақыбетинде медициналық тексериўге, көриктен өткериўге яки даўаланыўға мүтǝж болған жас өспиримлер туўралы; билимлендириўди басқарыў уйымларын ҳǝм билимлендириў мǝкемелерин-қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелерин яки басқа балалар мǝкемелеринен өз бетинше кетип қалған ямаса билимлендириў мǝкемелериндеги сабақларға себепсиз келмей атырған яки турақлы түрде қатнаспай атырған ҳǝм мǝмлекеттиң социаллық жǝрдемине мүтǝж болған жас өспиримлер туўралы тезлик пенен хабардар етеди; Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасын — жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери бузылғанлығы, социаллық тәрептен қәўипли жағдайда болған ҳәм де мәмлекеттиң социаллық жәрдемине мүтәж болған жас өспиримлер ҳәм шаңарақлар анықланғанлығы ҳаққында дәрҳал хабар етеди. (6-статьяныӊ тоғызыншы абзацы Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық толықтырылған) 7-статья. Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасында ата-ана яки ата-анасының орнын басыўшы шахслардың қатнасыўы Ата-ана яки ата-анасының орнын басыўшы шахслар балаларын тǝмийинлеў, тǝрбиялаў ҳǝм оларға билим бериў бойынша миннетлерди орынлап, олардың қǝўипсизлигин, өмири ҳǝм денсаўлығының қорғалыўын, қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын тǝмийинлеў мақсетинде: билимлендириў мǝкемелеринде оқып атырған жас өспиримлердиң оқыў ўақтында ресторанлар, кафелер, барлар, клублар, дискотекалар, кинотеатрлар, компьютер заллары, интернет тармағынан пайдаланыў хызметлерин көрсетиў ушын ажыратылған бөлмелерде ямаса басқа да кеўил көтеретуғын (дем алыў) орынларда болыўына жол қоймаў, бул орынларда билимлендириў хызмети яки билимлендириў мǝкемелери тǝрепинен өткерилетуғын илажлар шеңберинде болыўы буған кирмейди; жас өспиримлердиң спиртли ишимликлерди, нǝшебентлик затлар, психотроп яки ақыл-жигерине искерлигине тǝсир етиўши басқа да затларды пайдаланыўына, шегиўине жол қоймаў; жас өспиримлердиң ҳуқықбузарлықлар яки басқа антисоциаллық ис-ҳǝрекетлер ислеўине жол қоймаўдың илажларын көреди. Ата-ана яки ата-анасының орын басыўшы шахслар жас өспиримлердиң ресторанлар, кафелер, барлар, клублар, дискотекалар, кинотеатрлар, компьютер заллары, интернет тармағынан пайдаланыў хызметлерин көрсетиў ушын ажыратылған бөлмелерде ямаса басқа да кеўил көтеретуғын (дем алыў) орынларда түнги ўақытта олардың бирде-биреўиниң қадағалаўысыз болыўына жол қоймаўдың илажларын көреди.3-БАП. ЖАС ӨСПИРИМЛЕР АРАСЫНДА ҚАДАҒАЛАЎСЫЗЛЫҚ ҲӘМ ҲУҚЫҚБУЗАРЛЫҚЛАРДЫҢ ПРОФИЛАКТИКАСЫН ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎШЫ УЙЫМЛАР ҲӘМ ОЛАРДЫҢ ЎӘКИЛЛИКЛЕРИ
8-статья. Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелер системасы Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелер қурамына төмендегилер киреди: жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссиялар; ишки ислер уйымлары; билимлендириўди басқарыў уйымлары ҳǝм билимлендириў мǝкемелери; ǝменгерлик ҳǝм қǝўендерлик уйымлары; денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымлары ҳǝм денсаўлықты сақлаў мǝкемелери; Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилмеген уйымлар ҳǝм мǝкемелер жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасында нызам актлеринде белгиленген тǝртипте қатнасады; мийнет уйымлары; Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы. (8-статьяныӊ жетинши, сегизинши абзацлары Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық толықтырылған) 9-статья. Жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссиялар Жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссиялар өз ўǝкилликлери шеңберинде: жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасына байланыслы ис-илажларды ǝмелге асырады, олардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплериниң қорғалыўын тǝмийинлейди; аймақлық комиссиялар жумысын қадағалайды ҳǝм бағдарлайды, олардың искерлигиниң таллаўын ǝмелге асырады, оларға шөлкемлестириў-методикалық жǝрдем көрсетеди; жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелердиң унамлы жумыс тǝжирийбесин улыўмаластырады ҳǝм тарқатады, оларға шөлкемлестириўшилик-методикалық жǝрдем көрсетеди; мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм мǝкемелердиң жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы, олардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплериниң қорғалыўы саласындағы жумысын муўапықластырыў бойынша ис-илажлар көреди; жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерине ǝмел етилиўи, олардың қадағалаўсызлығы ҳǝмде ҳуқықбузарлығы, ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды анықлаў ҳǝмде жайластырыў менен байланыслы мǝселелерди үйренеди ҳǝм улыўмаластырады; мǝпдар министрликлер ҳǝм мǝекемлер менен биргеликте жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы, жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин қорғаў саласындағы баслы бағдарлар бойынша келисилген усылларды ислеп шығады; жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасына байланыслы норматив-ҳуқықый актлери ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық, ҳуқықбузарлықлар ҳǝм басқа да антисоциаллық ис-ҳǝрекетлердиң профилактикасы бойынша комплексли илажларды ислеп шығады, жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплериниң қорғалыўын тǝмийинлейди, сондай-ақ усы илажлардың орынланыўының үстинен қадағалаўды ǝмелге асырады; өз ўǝкиллигине киргизилген мǝселелерди шешиў менен байланыслы мақсетли бағдармалар жойбарларын үйренеди; жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлыққа, қараўсызлыққа, олар тǝрепинен ҳуқықбузарлықлар ямаса басқа антисоциаллық ис-ҳǝрекетлер ислениўине имканият берип атырған себеплер ҳǝм шǝрт шараятлар таллаўын өткизеди; мǝмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жǝмийетшилик қадағалаўын күшейтиў, социаллық шерикликти ҳǝм пуқаралық жǝмийети институтлары менен тиккелей бирге ислесиўди раўажландырыў илажларын көреди; жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы, жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин қорғаў мǝселелери бойынша усыныслар ислеп шығады; жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплери қорғалыўын тǝмийинлеў саласындағы норматив-ҳуқықый актлер жойбарларын ислеп шығыўда қатнасады; жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырып атырған уйымлар ҳǝмде мǝкемелер жумысын үйренеди, бул жумысты жеделлестириў бойынша усыныслар ислеп шығады; өз ўǝкиллигине киретуғын мǝселелер бойынша мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм шөлкемлердиң усынысларын көрип шығады. Жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссиялар шөлкемлестирилиўи ҳǝм жумыс ислеў тǝртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тǝрепинен белгиленеди. Жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссиялардың шөлкемлестирилиўи ҳǝм жумыс тǝртиби нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди. 10-статья. Ишки ислер уйымлары Ишки ислер уйымлары жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын өз ўǝкилликлери шеңберинде ǝмелге асырады. Ишки ислер уйымларының жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы арнаўлы бөлимлери жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы бөлимлеринен ҳǝм жас өспиримлерге социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайларынан (буннан-былай текстте-социаллық-ҳуқықықый жǝрдем көрсетиў орайы) ибарат. Ишки ислер уйымларының басқа бөлимлери жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасында өз ўǝкилликлериниң шеңберинде қатнасады ҳǝмде зǝрүр жǝрдем көрсетеди. 11-статья. Ишки ислер уйымларының жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы бөлимлери Ишки ислер уйымларының жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы бөлимлери өз ўǝкилликлери шеңберинде: жеке тǝртиптеги профилактика жумысын алып барады; излеў жǝрияланған жас өспиримлерди, сондай-ақ социаллық жақтан қǝўипли жағдайдағы жас өспиримлерди анықлаўға байланыслы илажларды ǝмелге асырады ҳǝм белгиленген тǝртипте оларды жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы тийисли уйымларға яки мǝкемелерге жибереди; жас өспиримлерди ҳуқықбузарлықлар яки антисоциаллық ис-ҳǝрекетти ислеўге тартқан ямаса жас өспиримлерге қарата басқа да нызамға қарсы ис ҳǝрекетлер ислеп атырған шахсларды, сондай-ақ жас өспиримлерди тǝмийинлеў, тǝрбиялаў ҳǝм оларға билим бериў бойынша өз миннетлемелерин орынлаўдан бас тартқан яки тийисли дǝрежеде орынламай атырған ямаса жас өспиримлердиң минез-қулқына унамсыз тǝсир көрсетип атырған яки оларға мийримсиз қатнаста болған ата-аналарды яки ата-анасының орнын басыўшы шахсларды анықлайды ҳǝм оларға нызам актлеринде нǝзерде тутылған тǝсиршең шараларын қолланыў туўралы тийисли мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм басқа да шөлкемлерге усыныслар киргизеди; жас өспиримлердиң, олардың ата-аналары яки ата-аналарның орнын басыўшы шахслардың, сондай-ақ басқа да шахслардың жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплериниң бузылыўы менен байланыслы шағымлары ҳǝм арзаларын көрип шығады; ҳуқықбузарлықлар яки антисоциаллық ис-ҳǝректлерди ислеген жас өспиримлерге нызам актлеринде нǝзерде тутылған тǝсир етиў шараларын қолланыў туўралы жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы тийисли уйымлар ҳǝм мǝкемелерине усыныслар киргизеди; жас өспиримлерди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайларына яки қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелерине белгиленген тǝртипте орналастырыў ушын оларға тийисли ҳүжжетлерди таярлайды; жас өспиримлердиң қадағалаўсызлығы, қараўсызлығы, ҳуқықбузарлықлары яки басқа да антисоциаллық ис-ҳǝрекетлериниң фактлери, сондай-ақ оларға мүмкиншилик беретуғын себеплер ҳǝм шараятлар туўралы тийисли мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм басқа да шөлкемлерди хабардар етеди; ҳуқықбузарлықлар яки басқа антисоциаллық ис-ҳǝректлер ислеген жас өспиримлерди, сондай-ақ қадағалаўсыз ҳǝм қараўсыз қалған жас өспиримлерди нызам актлеринде нǝзерде тутылған ҳалда ҳǝм тǝртипте ишки ислер уйымларына алып барады, бул ҳаққында тезлик пенен баянлама дүзеди ҳǝм жас өспиримлер алып келингенлиги туўралы олардың ата-аналарын яки ата-аналарының орнын басыўшы шахсларды хабардар етеди; жас өспиримлердиң жасаў, оқыў (жумыс) орнындағы билимлендириў, мǝдений дем алыў, спорт-саламатландырыў мǝкемелеринде, басқа да шөлкемлерде, дөгереклер ҳǝм клубларда жас өспиримлер менен алып барылатуғын тǝрбиялық жумыслардың жағдайын үйренеди; жас өспиримлердиң ҳуқықбузарлықлар яки басқа антисоциаллық ис-ҳǝрекетлерди ислеўине мүмкиншилик беретуғын себеплер ҳǝм шараятларды сапластырыў туўралы тийисли мǝмлекетлик уйымларға ҳǝм басқа да шөлкемлерге усыныслар киргизеди; жас өспиримлердиң ҳуқықбузарлықлары яки басқа да антисоциаллық ис-ҳǝрекетлери туўралы материаллардың тийисли уйымлар ҳǝм мǝкемелер тǝрепинен көрип шығылыўында қатнасады; жас өспиримлер тǝрепинен исленген ҳуқықбузарлықлар яки басқа да антисоциаллық ис-ҳǝрекетлердиң, жас өспиримлерди тǝмийинлеў, тǝрбиялаў ҳǝм оларға билим бериў бойынша өз миннетлемелерин орынлаўдан бас тартқан яки тийисли дǝрежеде орынламай атырған ямаса олардың минез-қулқына унамсыз тǝсир көрсетип атырған яки оларға мийримсиз қатнаста болып атырған ата-аналар яки ата-анасының орнын басыўшы шахслардың есабын жүргизеди, сондай-ақ статистикалық есабат дүзиў ушын тийисли болған мағлыўматты топлайды ҳǝм улыўмаластырады; жетим балалар ҳǝм ата-ана қǝўендерлигинен айрылған балаларды орналастырыўда ǝменгерлик ҳǝм қǝўендерлик уйымларына көмеклеседи; Ишки ислер уйымларының жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы бөлимлери нызам актлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 12-статья. Жас өспиримлерге социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайлары Социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайлары өз ўǝкилликлери шеңберинде: үш жастан он сегиз жасқа шекем болған жас өспиримлердиң шахсын анықлаў, өмирин, денсаўлығын қорғаў яки олар тǝрепинен ҳуқықбузарлықлардың қайталанып ислениўиниң алдын алыў мақсетинде оларды күни-түни қабыллаўды ҳǝм ўақытша сақлаўды ǝмелге асырады; алып келинген жас өспиримлер менен жеке тǝртиптеги профилактикалық жумысын алып барады, жас өспиримлердиң қадағалаўсызлығы, қараўсызлығына, ҳуқықбузарлықлар ҳǝм басқа да антисоциаллық ис-ҳǝрекетлерди ислеўине мүмкиншилик беретуғын себеплер ҳǝм шараятларды анықлайды жǝне бул ҳаққында тийисли мǝмлекетлик уйымларын ҳǝм басқа да шөлкемлерин хабардар етеди; жас өспиримлерди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбиялық мǝкемелерге алып барады, сондай-ақ усы мǝкемелерде сақланып атырған жас өспиримлерди жайластырыў бойынша басқа да илажларды ǝмелге асырады. Социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайлары нызам актлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. Социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайларына төмендеги жас өспиримлер жайластырылыўы мүмкин: қадағалаўсыз яки қараўсыз қалғанлар; қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбиялық мǝкемелерин, жетим балалар ҳǝм ата-ана қǝўендерлигинен айрылған балалар ушын билимлендириў мǝкемелери ямаса басқа да балалар мǝкемелеринен өзинше кетип қалғанлар; ата-ана қǝўендерлигинен айрылған он алты жасқа шекемги жас өспиримлер; социаллық қǝўипли қылмыслар ислеген, бирақ жынаятлы жуўапкершиликке тартыў мүмкин болған жасқа толмаған ямаса руўхый кеселлик пенен байланыслы болмаған ҳалда раўажланыўында өз жасына салыстырғанда ǝдеўир артта қалыўы ақыбетинде ислеген қылмысының ǝҳмийетин толық аңлап жетпегенлер, егер жас өспиримлердиң өмири ҳǝм ден саўлығын қорғаўды тǝмийинлеў яки олар тǝрепинен социаллық қǝўипли қылмыслардың тǝкирарлап ислениўиниң алдын алыў зǝрүр болса, сондай-ақ олардың шахсы анықланбаған ямаса олардың анық жасаў орны болмаса яки өзлери социаллық қǝўипли қылмыслар ислеген Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасамай атырған болса; ҳǝкимшилик жуўапкершиликти келтирип шығаратуғын ҳуқықбузарлықларды ислегенлер, егер олардың шахсы анықланбаған болса ямаса олардың анық жасаў орны болмаса яки өзлери социаллық қǝўипли қылмыслар ислеген Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасамай атырған болса; өзиниң қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбиялық мǝкемесине орналастырылыўы туўралы мǝселениң суд тǝрепинен көрип шығылыўын ўақытша күтип турғанлар; судтың уйғарыўы менен қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбиялық мǝкемесине жиберилгенлер; жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў ушын судтың уйғарыўы тийкар болады. Жас өспирим социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына ишки ислер уйымы яки социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайы баслығының ямаса оның орынбасарының қарары тийкарында орналастырылыўы мүмкин. Бул жағдайда жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў туўралы мүрǝжатнама ҳǝм усы орайға орналастырыў зǝрүрлигин тастыйықлаўшы материаллар жас өспирим орайға орналастырылғаннан кейин 48 сааттан кешиктирилместен судқа жибериледи; социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайы баслығы яки оның орынбасары жас өспиримниң усы орайға орналастырылғанлығы туўралы усы орай жайласқан жердеги прокурорды ҳǝм жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссияны тезлик пенен 24 сааттан кешиктирместен хабардар етеди. Жас өспиримлер социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайында оларды орналастырыў ушын зǝрүр болған ең кем ўақыт даўамында, бирақ көби менен отыз күн болыўы мүмкин. Айрықша жағдайларда бул мүддет судтың уйғарыўы тийкарында он бес күнге шекем созылыўы мүмкин. Социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайында жас өспиримниң болыўы мүддетине төмендегилер кирмейди: социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайында денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымы тǝрепинен жǝрияланған карантин дǝўири; жас өспиримниң денсаўлықты сақлаў мǝкемесиниң ҳүжжети менен тастыйықланған ҳǝм оны шаңараққа қайтарыўға яки тийисли мǝкемеге жибериўге тосқынлық ететуғын кеселлиги дǝўири; судтың мүрǝжатын канаатландырыў ҳǝм жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбиялық мǝкемесине орналастырыў туўралы уйғарыўы үстинен берилген протесттиң көрип шығылыў ўақты. Жас өспиримлерге социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайлары туўралы реже Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тǝрепинен тастыйықланады. 13-статья. Билимлендириўди басқарыў уйымлары ҳǝм билимлендириў мǝкемелери Билимлендириўди басқарыў уйымлары өз ўǝкилликлери шеңберинде: жас өспиримлерде нызамға бойсыныўшылық сезимин қǝлиплестириўге, оларға ǝдеп-икрамлық ҳǝм саламат турмыс тǝризи тийкарларын сиңдириўге қаратылған бағдарламалар ҳǝм қолланбаларды ислеп шығады ҳǝм билимлендириў мǝкемелериниң ис ǝмелиятына енгизеди; қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбиялық мǝкемелердиң, сондай-ақ жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплериниң қорғалыўын тǝмийинлеў ўазыйпаларын ǝмелге асырып атырған басқа да мǝкемелердиң жумысын жетилистириўге байланыслы илажларды ǝмелге асырады; (13-статьяныӊ биринши бөлиминдеги төртинши абзац Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2019-жыл 29-июньдағы 258/XXVI-санлы Нызамына тийкар алып тасланған) жас өспиримлерге өз өмир жолын ҳǝм кǝсип-өнер таңлаўда олардың қǝбилети, қызығыўшылығы, ықласы ҳǝм денсаўлығының жағдайына муўапық психологиялық жǝрдем көрсетеди; раўажланыўында яки минез-қулқында кемшилиги болған жас өспиримлерди анықлайтуғын, оларды комплексли тексериўден өткеретуғын ҳǝм олардың келешектеги тǝмийинлениўи, тǝрбиясы ҳǝм билиминиң түрлерин белгилеў бойынша усыныслар таярлайтуғын психологиялық, медициналық-педагогикалық комиссиялар дүзеди; жеке тǝртиптеги профилактикалық жумысты алып барыўда қатнасады; билимлендириў мǝкемелеринде жǝмийетлик спорт секцияларын, техникалық ҳǝм басқа да дөгереклер, клублардың шөлкемлестирилиўин ҳǝм жас өспиримлерди оларға қатнасыўға тартыўды тǝмийинлейди, жас өспиримлердиң бǝнтлиги ҳǝм дем алысларын шөлкемлестириўде қатнасады. Улыўма орта, орта арнаўлы, кǝсиплик билимлендириў мǝкемелери ҳǝм басқа да билимлендириў мǝкемелери өз ўǝкилликлери шеңберинде: раўажланыўында яки минез-қулқында кемшилиги ямаса оқыўында машқалалары болған жас өспиримлерге социаллық-психологиялық ҳǝм педагогикалық жǝрдем көрсетеди; социаллық жақтан қǝўипли жағдайдағы, сондай-ақ билимлендириў мǝкемелериндеги сабақларға себепсиз келмейтуғын ямаса турақлы түрде қатнаспайтуғын жас өспиримлерди анықлайды, оларды тǝмийинлеў, тǝрбиялаў ҳǝм оларға билим бериўге тийисли илажларды көреди; билимлендириў мǝкемелеринде жǝмийетлик спорт секциялары, техникалық ҳǝм басқа дөгереклер, клублар шөлкемлестиреди ҳǝм жас өспиримлерди оларға қатнасыўға тартады; социаллық жақтан қǝўипли болған шаңарақларды анықлайды ҳǝм усы шаңарақларға өз балаларын тǝмийинлеў ҳǝм оларға билим бериў бағдарында жǝрдем көрсетеди; жас өспиримлерде нызамға бойсыныўшылық сезимин қǝлиплестириўге, оларға ǝдеплилик ҳǝм саламат турмыс тǝризиниң тийкарларын сиңдириўге бағдарланған дǝстүрлер ҳǝм усылларды ǝмелге асырыўға тийисли илажларды көреди. Жетим балалар ҳǝм ата-ана қǝўендерлигинен айрылған балалар ушын билимлендириў мǝкемелери өз ўǝкилликлери шеңберинде: жас өспиримлердиң ата-анасы қайтыс болған, олардың ата-аналары ата-аналық ҳуқықынан айрылған, олардың ата-аналарының ата-аналық ҳуқықы шекленген, ата-анасы қатнасқа уқыпсыз деп табылған, ата-анасы наўқас болған, ата-анасы узақ мүддет болмаған, ата-анасы балаларын тǝрбиялаўдан яки олардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин қорғаўдан ўаз кешкен жағдайда, соның менен бирге, ата-анасы өз балаларын билимлендириў мǝкемелеринен, денсаўлықты сақлаў мǝкемелеринен, халықты социаллық қорғаў мǝкемелеринен ҳǝм басқа да мǝкемелерден алыўдан бас тартқан жағдайда, сондай-ақ, балалар ата-анасының қǝўендерлигинен маҳрум болған басқа жағдайларда жас өспиримлерди тǝмийинлеў, оларға билим бериў, келешекте оларды орналастырыў ҳǝм еркин турмысқа таярлаў ушын қабыл етеди; кем тǝмийинленген, көп балалы шаңарақлардың жас өспирим балаларын, тек ǝкеси яки анасы бар болған жас өспиримлерди усы шаңарақларды социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир жылдан артық болмаған мүддетке тǝмийинлеў, тǝрбиялаў ҳǝм оларға билим бериў ушын қабыл етеди; бул мǝкемелерде сақланып атырған жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплериниң қорғалыўын тǝмийинлейди; жеке тǝртиптеги профилактика жумысын алып барыўда қатнасады. Билимлендириўди басқарыў уйымлары ҳǝм билимлендириў мǝкемелери нызам актлерине муўапық басқа да ўазыйпаларды ǝмелге асырыўы мүмкин. 14-статья. Қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелери Қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелерине қǝнигелестирилген мектеплер ҳǝм қǝнигелестирилген кǝсип-өнер колледжлери киреди. Қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелерине он бир жастан он сегиз жасқа шекем болған, тǝмийинлеў, тǝрбиялаў ҳǝм билим бериў ушын арнаўлы шараятларға мүтǝж жас өспиримлер төмендеги жағдайларда үш жылдан артық болмаған мүддетке орналастырылыўы мүмкин, егер олар: социаллық қǝўипли қылмыслар ислеген, бирақ жынаятлы жуўапкершиликке тартыў мүмкин болған жасқа толмаған ямаса руўхый кеселлик пенен байланыслы болмаған жағдайда раўажланыўында өз жасына салыстырғанда ǝдеўир артта қалыўы ақыбетинде ислеген қылмысының ǝҳмийетин толық аңлап жетпеген болса; айыплылығы туўралы мǝселе шешилмей турып жынаятлы жуўапкершиликтен азат етилген, материаллар жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссияға көрип шығыў ушын тапсырылған болса; қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелерине орналастырыў бойынша мǝжбүрлеў шарасы қолланылған жағдайда жынаятлы жазадан азат етилген болса; жеке тǝртиптеги профилактика жумысы алып барылыўына қарамастан ҳуқықбузарлықлар яки басқа антисоциаллық ис-ҳǝрекетлер ислеўди даўам еттирип атырған болса. Жас өспиримлерди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелерине орналастырыў ушын төмендегилер тийкар болады: усы статьяның екинши бөлиминиң екинши, үшинши ҳǝм бесинши абзацларында көрсетилген жас өспиримлерге байланыслы усы Нызамға муўапық шығарылған суд уйғарыўы; усы статьяның екинши бөлиминиң төртинши абзацында көрсетилген жас өспиримлерге байланыслы Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуал кодексине муўапық шығарылған суд уйғарыўы. Қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелерине усы мǝкемелерде сақлаў, тǝрбиялаў ҳǝм билим бериўге тосқынлық ететуғын кеселлиги болған жас өспиримлерди орналастырыў мүмкин емес. Жас өспиримлерди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелеринде сақлаў, тǝрбиялаў ҳǝм оларға билим бериўге тосқынлық ететуғын кеселликлер дизими Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тǝрепинен тастыйықланады. Қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелери өз ўǝкилликлери шеңберинде: жас өспиримлерди оқытыўды, оларды кǝсип-өнерге таярлығын ҳǝм социаллық-педагогикалық реабилитациялаўды ǝмелге асырады; жас өспиримлерди сақлаўдың усы мǝкемелер аймағын қорықлаўда, жас өспиримлердиң жеке қǝўипсизлигин ҳǝм унамсыз тǝсирлерден қорғалыўын, бул мǝкемелер аймағына бийтаныс шахслардың еркин кириўин, бул мǝкемелерде сақланып атырған жас өспиримлердиң еркин шығыўын шеклеўди өз ишине алған арнаўлы шараятларды тǝмийинлейди; жас өспиримлердиң бул мǝкемелерден өзинше шығып кетиў жағдайлары туўралы усы мǝкемелер жайласқан жердеги ҳǝм жас өспиримлердиң жасаў орынларындағы яки турған жериндеги ишки ислер уйымларын хабардар етеди ҳǝм ишки ислер уйымлары менен биргеликте оларды табыў ҳǝм бул мǝкемелерге қайтарыў бойынша илажлар көреди; жас өспиримлердиң жасаў орнындағы жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссияларға жас өспиримлердиң усы мǝкемелерден шығарылғанлығы туўралы хабарландырыўларды, сондай-ақ жас өспиримлерге тийисли минезлемелерди оларды шығарыўдан кеминде бир ай алдын жибереди. Қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелери усы мǝкемелер жайласқан жердеги жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссияларға төмендеги мǝселелер бойынша усыныслар киргизеди: жас өспиримлерди басқа қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелерине өткериў; жас өспиримлердиң усы мǝкемелерде болыўын суд тǝрепинен белгиленген мүддет өтиўинен алдын, егер олар минез-қулқы дүзелгенлиги себепли усындай тǝсир шарасын қолланыўды даўам еттириўге мүтǝж болмаса яки денсаўлығының жағдайына байланыслы бул мǝкемелерде бола алмаса тоқтатыў; жас өспиримлерди оқытыўды жуўмақлаў зǝрүр болған жағдайда олардың усы мǝкемелерде болыў мүддетин созыў. Қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелери нызам актлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди де ǝмелге асырыўы мүмкин. Қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелери туўралы реже Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тǝрепинен тастыйықланады. 15-статья. Әменгерлик ҳǝм қǝўендерлик уйымлары Әменгерлик ҳǝм қǝўендерлик уйымлары өз ўǝкилликлери шеңберинде: жетим балаларды, ата-анасы қǝўендерлигинен айрылған балаларды анықлайды ҳǝм олардың есабатын жүргизеди ҳǝмде ата-ана қǝўендерлигинен айрылғанлықтың анық жағдайларынан келип шығып, балаларды орналастырыў түрлерин таңлайды, сондай-ақ оларды тǝмийинлеў, тǝрбиялаў ҳǝм оларға билим бериў шараятлары үстинен қадағалаўды ǝмелге асырады; нызам актлеринде нǝзерде тутылған жағдайларда ҳǝм тǝртипте жас өспиримлерге ǝменгерлик ҳǝм қǝўендерликти белгилеў бойынша илажлар көреди; он төрт жастан он сегиз жасқа шекем болған жас өспиримниң өз ис ҳақы, стипендиясы яки басқа табысларын еркин басқарыў ҳуқықын шеклеп қойыў яки оны бул ҳуқықтан айырыў туўралы илтимаснама менен судқа мүражат етеди, буған жас өспиримниң белгиленген тǝртипте толық көлемде ҳǝрекет уқыплылығын алыў жағдайлары кирмейди; жеке тǝртиптеги профилактика исин алып барыўда қатнасады; ата-аналық ҳуқықын шеклеў яки ата-аналық ҳуқықынан айырыў туўралы даўа арзаларын қозғайды; ата-аналық ҳуқықын шеклеў яки ата-аналық ҳуқықынан айырыў туўралы, сондай-ақ ата-аналық ҳуқықын тиклеў ҳаққындағы ислерди судларда көрип шығыўда қатнасады. Әменгерлик ҳǝм қǝўендерлик уйымлары нызам актлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди де ǝмелге асырыўы мүмкин. 16-статья. Денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымлары ҳǝм денсаўлықты сақлаў мǝкемелери Денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымлары ҳǝм денсаўлықты сақлаў мǝкемелери өз ўǝкилликлери шеңберинде: жас өспиримлер, олардың ата-анасы яки ата-анасының орнын басыўшы шахслар арасында санитария-гигиеналық билимлерди кең ен жайдырыўды, сондай-ақ саламат турмыс тǝризин үгит-нǝсиятлаўды шөлкемлестиреди; жас өспиримлер арасында алкоголизм, шегиў, нǝшебентлик ҳǝм токсикомания жǝне олардың минез-қулқындағы усы нǝрселер менен байланыслы кемшиликлердиң профилактикасы бойынша илажлар ислеп шығылыўын ҳǝм ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; жас өспиримлер арасында алкоголизм, шегиў, нǝшебентлик ҳǝм токсикоманияның тарқалыўы туўралы жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссияларды хабардар етеди; үш жасқа шекем болған адасып қалған, таслап кетилген ҳǝм ата-ана қǝўендерлигинен айрылған басқа да балаларды күни-түни қабыл етиўди ҳǝм күтим көрсетиўди ǝмелге асырады; жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелерге, сондай-ақ жас өспиримлердиң ата-анасы яки ата-анасының орнын басыўшы шахсларға мǝслǝҳǝт бериўде жǝрдемлерин көрсетеди; алкоголь тǝсиринде мǝс ҳалатта болған яки нǝшебентлик затлар, психотроп яки ақыл-жигерине тǝсир етиўши басқа да затлар тǝсири астында болған жас өспиримлерди күни-түни қабыл етиўди ǝмелге асырады ҳǝм оларға медициналық жǝрдем көрсетеди; раўажланыўында яки минез-қулқында кемшилиги болған жас өспиримлерге қǝнигелестирилген диагноз қойыў ҳǝм емлеў-тиклеў жǝрдемин көрсетеди; қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелерине жиберилип атырған жас өспиримлердиң денсаўлығы туўралы белгиленген тǝртипте жуўмақлар таярлайды; спиртли ишимликлер, нǝшебентлик затлар, психотроп яки ақыл-жигериниң искерлигине тǝсир етиўши басқа затлардан турақлы түрде пайдаланып атырған жас өспиримлерди анықлаў, есапқа алыў, тексериў ҳǝм медициналық-социаллық реабилитация етиўди шөлкемлестиреди; жыныслық жол менен жуқтырылған кеселликлердиң дǝреклерин анықлаў, бул кеселликке шалынған жас өспиримлерди тексериў ҳǝм емлеўди шөлкемлестиреди. социаллық жақтан қǝўипли жағдайда болған жас өспиримлерге ҳǝм шаңарақларға социаллық жǝрдем көрсетиў ҳǝм оларды социаллық-педагогикалық реабилитация етиўдиң заманагөй усыл ҳǝм технологияларынан пайдаланады; жас өспиримлердиң дем алыўын, социаллық мǝкемелерде шөлкемлестирилген дөгереклерде ямаса орайларда дөретиўшилик қǝбилетин раўажландырыўды шөлкемлестириўде қатнасады; майып балаларға медициналық-социаллық жǝрдем көрсетиўди тǝмийинлейди, майып балаларға социаллық жǝрдем көрсетиўдиң комплексли тармақларын раўажландырады; жеке тǝртиптеги профилактика жумысын алып барыўда қатнасады. Денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымлары ҳǝм денсаўлықты сақлаў мǝкемелери нызам актлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди де ǝмелге асырыўы мүмкин. 17-статья. Мийнет уйымлары Мийнет уйымлары өз ўǝкилликлери шеңберинде: жас өспиримлерди жумысқа орналастырыўға, кǝсипке таярлаўға, қайта таярлаўға ҳǝм олардың маманлығын асырыўға көмеклеседи, олар менен дүзилген мийнет шǝртнамасын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкар етиў туўралы мǝселелерди көрип шығады; жеке тǝртиптеги профилактика жумысын алып барыўда қатнасады. Мийнет уйымлары нызам актлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 171-статья. Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы өз ўәкилликлери шеңберинде: жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғайды; жас өспиримлердиң өз талантын ҳәм уқыбын толық көрсетиўге, сондай-ақ олардың өз қәбилетлерин әмелге асырыўына тосқынлық етиўши факторларды анықлайды ҳәм де оларды сапластырыў бойынша шаралар көреди; жас өспиримлер ортасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықтыӊ профилактикасында қатнасады; жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген ямаса қәнигелестирилген оқыў-тәрбия мәкемелеринен қайтып келген жас өспиримлерди социал-педагогикалық тәрептен реабилитация етиўге ҳәм олардың масласыўына көмеклеседи. Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. (171-статьясы Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық толықтырылған) 18-статья. Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықтың профилактикасында мǝденият ҳǝм спорт мǝкемелери, туризм саласындағы шөлкемлердиң ҳǝм ғалаба хабар қуралларының қатнасыўы Мǝденият ҳǝм спорт мǝкемелери, туризм салысындағы шөлкемлердиң ҳǝм ғалаба хабар қураллары өз ўǝкилликлери шеңберинде: жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы бойынша мақсетли бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм ǝмелге асырыўда қатнасады; жумыслары жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы бойынша илажларды ǝмелге асырыў менен байланыслы болған балалар ҳǝм жаслар жǝмийетлик бирлеспелер, социаллық мǝкемелер, жǝмǝǝтлик қорларға ҳǝм басқа да шөлкемлерге жǝрдем көрсетеди; жас өспиримлерди оқытыў, олардың бǝнтлиги ҳǝм дем алысларын шөлкемлестириўде қатнасады; жас өспиримлерде нызамға бойсыныўшылық сезимин ҳǝм саламат турмыс тǝризин үгит-нǝсиятлаў ҳǝм қǝлиплестириў бойынша жумысты ǝмелге асырады. Мǝденият ҳǝм спорт мǝкемелери, туризм тараўындағы шөлкемлер ҳǝм ғалаба хабар қураллары нызам актлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди де ǝмелге асырыўы мүмкин. 19-статья. Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳǝм мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң қатнасыўы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳǝм мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер өз ўǝкилликлери шеңберинде: жас өспиримлердиң руўхый, ǝдеп-икрамлық, ҳуқықый, эстетикалық, физикалық, мийнет тǝрбиясында қатнасады, оларда саламат турмыс тǝризин қǝлиплестириўге көмеклеседи; социаллық жақтан қǝўипли жағдайдағы жас өспиримлерге ҳǝм шаңарақларға жǝрдем көрсетеди; жазаны өтеў мǝкемелеринен азат етилген яки қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелеринен қайтып келген жас өспиримлердиң социаллық-педагогикалық реабилитация етилиўи ҳǝм көнлигип бейимлесиўине көмеклеседи; жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелер менен бирге ислеседи. пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳǝм мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер нызам актлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди де ǝмелге асырыўы мүмкин.III-БАП. ЖЕКЕ ТӘРТИПТЕГИ ПРОФИЛАКТИКА ЖУМЫСЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ
20-статья. Өзине тийисли болған жеке тǝртиптеги профилактика жумысы алып барылатуғын шахслардың категориялары Жеке тǝртиптеги профилактика жумысы төмендеги жас өспиримлерге қарата алып барылады: қадағалаўсыз яки қараўсыз қалғанлар; антисоциаллық ис-ҳǝрекетлер ислегенлер; қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелеринде яки социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайларында сақланып атырғанлар; билимлендириў мǝкемелериндеги сабақларға себепсиз келмейтуғын яки турақлы түрде қатнаспайтуғынлар; ҳǝкимшилик ҳуқықбузарлық ҳǝрекетин ислегенлер; амнистия акты тийкарында яки қылмыстың ямаса шахстың социаллық қǝўиплилик сыпатын жоғалтқанлығы себепли яки айыпкер өз қылмысына шын кеўилден пушайман болғанлығы ямаса жарасқанлығы себепли, сондай-ақ жас өспиримди жаза қолланбастан дүзетиў мүмкин деп белгилеген жағдайларда жынаятлы жуўапкершиликтен азат етилгенлер; социаллық қǝўипли қылмыс ислеген, бирақ жынаятлы жуўапкершиликке тартыў мүмкин болған жасқа толмағанлар ямаса руўхый кеселлик пенен байланыслы болмаған жағдайда раўажланыўында өз жасына салыстырғанда ǝдеўир артта қалыўы ақыбетинде ислеген қылмысының ǝҳмийетин толық аңлап жетиў уқыбына ийе болмағанлар; жынаят ислегенликте айыпланып, қамаққа алыў менен байланыслы болмаған иркиў шарасы қолланылғанлар; мǝжбүрлеў шаралары қолланатуғын жынаятлы жуўапкершилик жазасынан азат етилгенлер; жазаны өтеўден мүддетинен алдын шǝртли түрде азат етилгенлер, шахс социаллық қǝўип туўдырыў сыпатын жоғалтқанлығы себепли яки айыпкер өз қылмысына шын кеўилден пушайман болыўы себепли ямаса амнистия акты яки кеширим бериў тийкарында азат етилгенлер; ҳүкимниң орынланыўы кешиктирилгенлер; шǝртли ҳүким етилгенлер, тǝртипти дүзетиў ислерине яки азатлықтан айырыў менен байланыслы болмаған басқа жаза түрлерине ҳүким етилгенлер; жазаны өтеў орынларынан азат етилгенлер яки қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелеринен қайтып келгенлер; руўхый кеселлиги себепли денсаўлықты сақлаў мǝкемелеринде есапта турғанлар ҳǝм ҳуқықбузарлық ҳǝрекетлер ислеўге қайым болғанлар. Жеке тǝртиптеги профилактика жумысы социаллық жақтан қǝўипли жағдайда болған шаңарақларға қарата ҳǝм алып барылады. 21-статья. Жеке тǝртиптеги профилактика жумысын алып барыў тийкарлары Жеке тǝртиптеги профилактика жумысын алып барыў ушын усы Нызамның 20-статьясында нǝзерде тутылған жағдайлар, егер олар төмендеги ҳүжжетлерде белгиленген болса, тийкар болады: жас өспиримниң ямаса оның ата-анасы яки ата-анасының орнын басыўшы шахслардың жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелер ўǝкиллигине киретуғын мǝселелер бойынша өзине жǝрдем көрсетиў туўралы арзасында; судтың ҳүкими ҳǝм уйғарыўында; жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссияның, сорастырыўшының, тергеўшиниң, прокурордың яки ишки ислер уйымы баслығының қарарында: жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы мǝкемелерге жас өспиримлерди орналастырыў ушын зǝрүр болған ҳүжжетлер; жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы уйым яки мǝкеме баслығы шағымлар, арзалар яки басқа да хабарларды тексериў нǝтийжелери бойынша тастыйықлаған жуўмақта. 22-статья. Жеке тǝртиптеги профилактика жумысын алып барыў мүддетлери Жеке тǝртиптеги профилактика жумысы социаллық ҳǝм басқа да жǝрдем көрсетиў ушын зǝрүр болған мүддетлерде, жас өспиримлердиң қадағалаўсызлығы ҳǝм қараўсызлығы, ҳуқықбузарлықлар яки басқа да антисоциаллық ис-ҳǝрекетлер ислеўге мүмкиншилик берген себеплер ҳǝм шараятлар сапластырылғанына шекем яки жас өспиримлер он сегиз жасқа толғанға ямаса нызам актлеринде нǝзерде тутылған басқа да жағдайлар жүзеге келгенге шекем алып барылады. 23-статья. Жеке тǝртиптеги профилактика жумысының алып барылыўын шөлкемлестириў Ишки ислер уйымлары социаллық жақтан қǝўипли жағдайдағы жас өспирим менен жеке тǝртиптеги профилактика жумысын оның шахсы ҳǝм ǝтирапындағылардың өзине тǝн өзгешелик белгилерин, жүз берген ҳуқықбузарлық яки антисоциаллық ис-ҳǝрекетлериниң өзгешелигин, шаңарақлық тǝрбия шараятларын есапқа алған жағдайында алып барады. Бул жағдайлар жас өспирим, оның ата-анасы яки ата-анасының орнын басыўшы шахслар, басқа да шахслар менен профилактика сǝўбетлерин өткериў, жас өспиримди өзиниң жасаў, оқыў (жумыс) орнына барып көриў, тǝрийиплеўши материалларды үйрениў даўамында анықланады. Социаллық жақтан қǝўипли жағдайдағы жас өспирим менен жеке тǝртиптеги профилактика жумысын алып барыў даўамында: жас өспиримниң турмыс тǝризи, байланыслары ҳǝм нийети анықланады; жас өспиримге ҳуқықбузарлық яки антисоциаллық ис-ҳǝрекетлер ислеўдиң ақыбетлери түсиндириледи; жас өспиримниң ҳуқықбузарлық яки антисоциаллық ис-ҳǝрекетлер ислеўиниң себеплери ҳǝм шараятлары анықланады ҳǝм оларды сапластырыўға тийисли илажлар көриледи; жас өспиримди ҳуқықбузарлық яки антисоциаллық ис-ҳǝрекетлерди ислеўге тартып атырған шахслар анықланады ҳǝм оларды белгиленген тǝртипте жуўапкершиликке тартыўға тийисли илажлар көриледи; жас өспиримге унамлы тǝсир көрсете алатуғын шахслар тартылады; жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелер менен өз-ара бирге ислесиўде жас өспиримди сақлаў, тǝрбиялаў, оған билим бериў, оның бǝнтлигин ҳǝм дем алысын шөлкемлестириў мǝселелери шешиледи. Социаллық жақтан қǝўипли жағдайдағы шаңарақлар менен жеке тǝртиптеги профилактика жумысын алып барыў даўамында: шаңарақтағы саламат орталықты беккемлеўге, ата-ана яки ата-анасының орнын басыўшы шахслардың балаларға унамсыз тǝсир көрсетиўин сапластырыўға тийисли илажлар ǝмелге асырылады; ата-ана яки ата-анасының орнын басаўшы шахсларға жас өспиримлерди тǝмийинлеў, тǝрбиялаў ҳǝм оларға билим бериў бойынша өз миннетлемелерин орынлаўдан бас тартқанлықтың яки тийисли дǝрежеде орынламаўдың, балалардың минез-қулқына унамсыз тǝсир көрсетиў ямаса оларға мийримсиз қатнаста болыўдың ақыбетлери түсиндириледи; шаңарақты жасаў орнына барып көриў, тǝрийиплеўши материалларды үйрениў, денсаўлықты сақлаў уйымлары ҳǝм денсаўлықты сақлаў мǝкемелери, билимлендириўди басқарыў уйымлары ҳǝм билимлендириў мǝкемелериниң ўǝкиллери, басқа да шахслар менен сǝўбетлесиўлер өткериў арқалы ата-ана яки ата-анасының орнын басыўшы шахслардың турмыс тǝризи ҳǝм нийети анықланады; бул жумысқа оларға унамлы тǝсир көрсете алатуғын шахслар тартылады; жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелер менен өз-ара бирге ислесиўде жас өспиримди сақлаў, тǝрбиялаў, оған билим бериў, оның бǝнтлигин ҳǝм дем алысын шөлкемлестириў мǝселелери шешиледи; жас өспиримди тǝмийинлеў, тǝрбиялаў ҳǝм оларға билим бериў бойынша өз миннетлемелерин орынлаўдан бас тартқан яки тийсли дǝрежеде орынламай атырған ямаса олардың минез-қулқына унамсыз тǝсир көрсетип атырған яки олар менен мийримсиз қатнаста болып атырған ата-аналар яки ата-анасының орнын басыўшы шахсларға нызам актлеринде нǝзерде тутылған тǝсир шараларын қолланыў туўралы тийисли мǝмлекетлик уйымларға ҳǝм басқа да шөлкемлерге белгиленген тǝртипте усыныслар киргизиледи. 24-статья. Жеке тǝртиптеги профилактика жумысы алып барылатуғын шахслардың ҳуқықлары Жеке тǝртиптеги профилактика жумысы алып барылатуғын жас өспиримлер, олардың ата-анасы яки ата-анасының орнын басыўшы шахслар нызам актлеринде нǝзерде тутылған ҳуқықлар менен тǝмийинленеди. Қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелеринде яки социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайларында сақланып атырған жас өспиримлер белгиленген тǝртипте төмендеги ҳуқықлар менен тǝмийинленеди: ата-анасын яки ата-анасының орнын басаўшы шахсларды жас өспиримлердиң усы орынға алып келингенлиги яки орналастырылғанлығы туўралы хабардар етиў; жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелердиң қарарлары ҳǝм лаўазымлы шахслардың ҳǝрекетлери (ҳǝрекетсизлиги) үстинен жоқары турыўшы уйымларға, жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссияларға, прокуратура уйымларына яки судқа шағым етиў; адамның ар-намысы ҳǝм қǝдир-қымбатын кемситпейтуғын инсаный қарым-қатнаста болыў; шекленбеген муғдарда телефонда сөйлесиўлер, басқа байланыс қураллары арқалы сǝўбетлесиўлер ҳǝм ушырасыўлар жǝрдеминде шаңарағы менен байланыста болыў, посылкалар, бандероллар, жөнелтпелер алыў, хат ҳǝм телеграммалар алыў ҳǝм жөнелтиў; белгиленген нормалар бойынша пулсыз аўқат, кийим-кеншек, аяқ кийим ҳǝм материаллық тǝмийнлеўдиң басқа буйымларын алыў.IV-БАП. ЖАС ӨСПИРИМДИ СОЦИАЛЛЫҚ-ҲУҚЫҚЫЙ ЖӘРДЕМ КӨРСЕТИЎ ОРАЙЫНА ОРНАЛАСТЫРЫЎ ТӘРТИБИ
24-статья. Жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў ҳаққындағы материалларды таярлаў Жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыўды талап ететуғын жағдайлар анықланғанда, ишки ислер уйымлары жас өспиримниң ишки ислер уйымлары бөлимлерине алып келинген ўақтынан баслап 48 саат ишинде жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў ҳаққында судқа мүрǝжатнама жибериў ушын материалларды таярлаўы шǝрт. Жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў ҳаққында мүрǝжатнама ҳǝм оны усы орайға орналастырыўдың зǝрүрлигин тастыйықлаўшы материаллар жас өспирим табылған жердеги ямаса социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайы жайласқан жердеги жынаят ислери бойынша районлық (қалалық) судына ишки ислер уйымы баслығы яки оның орынбасары тǝрепинен жибериледи. 26-статья. Жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў ҳаққындағы мүрǝжатнаманың суд тǝрепинен көрип шығылыўы Жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў ҳаққында мүрǝжатнама ишки ислер уйымы оны усыныс еткен ўақыттан баслап 24 саат ишинде жынаят ислери бойынша районлық (қалалық) судтың судьясы тǝрепинен жабық суд мǝжилисинде жеке тǝртипте көрип шығылады. Өзине байланыслы социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў ҳаққында мүрǝжатнама көрип шығылып атырған жас өспирим, прокурор, ǝменгерлик ҳǝм қǝўендерлик уйымының, ишки ислер уйымының ўǝкиллери суд мǝжилисинде қатнасыўы шǝрт. Мүрǝжатнаманы көрип шығыўда жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссияның ўǝкили ҳǝм адвокат қатнасыўы мүмкин. Жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў ҳаққында мүрǝжатнаманы көрип шығыў ишки ислер уйымы ўǝкилиниң жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў зǝрүрлигин тийкарлап бериўши баянатынан басланады. Соңынан прокурор, өзине байланыслы мүрǝжатнама көрилип атырған жас өспирим, адвокат, егер суд мǝжилисинде қатнасып атырған болса судқа келген басқа шахслар тыңланады, усынылған материаллар үйрениледи. Уйғарыў судья тǝрепинен арнаўлы бөлмеде шығарылады. Жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў ҳаққында мүрǝжатнаманы көрип шығып, судья төмендеги бийликлердиң бирин шығарады: мүрǝжатнаманы қанаатландырыў ҳǝм жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў ҳаққында; мүрǝжатнаманы қанаатландырмай қалдырыў ҳаққында. Судьяның жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў ҳаққында мүрǝжатнаманы қанаатландырыў яки қанаатландырмай қалдырыў ҳаққында уйғарыўы ол оқып еситтирилген ўақыттан баслап өз күшине киреди ҳǝм дǝрҳал орынланыўы тийис. Судьяның жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў ҳаққында мүрǝжатнама бойынша шығарған уйғарыўы дǝрҳал ишки ислер уйымына орынлаў ушын, жас өспиримге, оның ата-анасы яки ата-анасының орнын басыўшы шахсларға, ǝменгерлик ҳǝм қǝўендерлик уйымына, адвокатқа, егер ол суд мǝжилисинде қатнасқан болса мағлыўмат ушын жибериледи. Судьяның жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў ҳаққында мүрǝжатнама бойынша шығарған уйғарыўы үстинен судья усы уйғарыўды шығарған күннен баслап он күн ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына, жынаят ислери бойынша районлық, қалалық, судларына жас өспирим, оның ата-анасы яки ата-анасының орнын басыўшы шахслар, ǝменгерлик ҳǝм қǝўендерлик уйымы ҳǝм адвокат тǝрепинен шағым арза берилиўи яки прокурор тǝрепинен протест билдирилиўи мүмкин. (26-статьяныӊ сегизинши бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық өзгерис киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы судының, жынаят ислери бойынша районлық, қалалық, судларының судьясы жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў ҳаққында мүрǝжатнама бойынша шығарған уйғарыўы үстинен берилген шағым арзасын (протестин) шағым (протест) келип түскен күннен баслап он күн ишинде көрип шығады ҳǝм төмендеги уйғарыўлардан бирин шығарады: (26-статьяныӊ тоғзыншы бөлимниӊ биринши абзацына Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық өзгерис киргизилген) судьяның уйғарыўын өзгериссиз, шағым арзаны (протестти) қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында; судьяның уйғарыўын өзгертиў ҳаққында; судьяның мүрǝжатнаманы қанаатландырыў ҳǝм жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў ҳаққындағы уйғарыўын бийкар етиў ҳаққында; судьяның мүрǝжатнаманы қанаатландырмай қалдырыў ҳаққындағы уйғарыўын жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырыў мǝселесин шешкен ҳалда бийкар етиў ҳаққында. 27-статья. Жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайында сақлаў мүддетин узайтыў тǝртиби Жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайында сақлаў мүддетин узайтыў ҳаққындағы мүрǝжатнама ҳǝм усы мүддетти узайтыў зǝрүрлигин тастыйықлаўшы материаллар социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайы баслығы яки оның орынбасары тǝрепинен бул орай жайласқан жердеги жынаят ислери бойынша районлық (қалалық) судына жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайында сақлаўдың мүддетиниң тамам болыўынан кеминде үш күн алдын жибериледи. Жас өспиримди социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайында сақлаў мүддетин узайтыў ҳаққындағы мүрǝжатнама усы Нызамның 26-статьясында белгиленген тǝртипте суд тǝрепинен көрип шығылады.V-БАП. ЖАС ӨСПИРИМДИ ҚӘНИГЕЛЕСТИРИЛГЕН ОҚЫЎ-ТӘРБИЯ МӘКЕМЕСИНЕ ОРНАЛАСТЫРЫЎ ТӘРТИБИ
28-статья. Жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў ҳаққындағы материалларды таярлаў Жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссия жас өспиримге қарата келип түскен оның айыпкерлиги ҳаққында мǝселе шешилмей турып жынаятлы ис қозғаўдан бас тартыў ямаса жынаятлы исти қысқартыў жынаят иси матералларын ямаса өзине тийисли жеке тǝртиптеги профилактика жумысы алып барылған жас өспиримниң ҳуқықбузарлығы яки басқа антисоциаллық ис-ҳǝрекетлери туўралы материалларды көрип шығып, жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў ҳаққында судқа мүрǝжат етиў яки басқа тǝсир шараларын қолланыў ҳаққында қарар қабыл етеди. Жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссия жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў туўралы мүрǝжатнама менен судқа мүрǝжат етиў ҳаққында қарар қабыл еткен жағдайда, ишки ислер уйымлары бул туўралы тезлик пенен хабардар етиледи. Ишки ислер уйымлары жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў туўралы мүрǝжатнаманы судқа жибериў ушын зǝрүр болған материалларды он күн ишинде жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссия ушын таярлаўы шǝрт. Ишки ислер уйымлары тийисли мǝмлекетлик уйымларға ҳǝм басқа да шөлкемлерге зǝрүр ҳүжжетлерди усыныў туўралы сораўлар жибереди. Сораўлар алынған күннен баслап бес күн ишинде орынланыўы керек. Денсаўлықты сақлаў мǝкемелери жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў мүмкинлигин анықлаў ушын оны медициналық тексериўден өткереди. Медициналық тексериў ўақтында жас өспиримде оның қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесинде сақланыўы, тǝрбияланыўы ҳǝм билим алыўына тосқынлық ететуғын кеселликлер анықланған жағдайда, оған тийисли материаллар басқа тǝсир шараларын қолланыў ушын жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссияға тапсырылады. Өзине қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў ҳаққында материаллар таярланып атырған жас өспирим социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайына орналастырылыўы ямаса ата-анасы яки ата-анасының орнын басыўшы шахслардың қадағалаўына тапсырылыўы мүмкин болып, олар жас өспиримниң мүнǝсип минезли болыўын ҳǝм судтың шақырыўы бойынша келиўин тǝмийинлеўи шǝрт. Судқа келиўден бас тартқан ата-ана яки ата-анасының орнын басыўшы шахслар, сондай-ақ он алты жасқа толған жас өспиримлер мǝжбүрий алып келиниўи мүмкин. Жас өспиримлер, егер жынаят исин қозғаў бийкар етилген яки жынаят иси тамамланған ямаса жынаятлы жазадан азат етилгенинен баслап бир жылдан артық ўақыт өткен болса қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырылмайды. 29-статья Жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў ҳаққындағы мүрǝжатнаманы судқа жибериў Ишки ислер уйымы баслығы яки оның орынбасары жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў мүмкинлиги туўралы мǝселени көрип шығыў ушын жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссияға төмендеги ҳүжжетлерди жибереди: жас өспиримниң оқыў (жумыс) орнынан мағлыўматнама ҳǝм минезлеме; жас өспиримниң шаңарақлық-турмыслық шараятларын тексериў акти; ишки ислер уйымларының жас өспирим тǝрепинен ислеген ҳуқықбузарлықлар яки басқа антисоциаллық ис-ҳǝрекетлер ҳǝм усы себепли көрилген тǝсир шаралары ҳаққындағы хабарды өз ишине алған мағлыўматнамасы; денсаўлықты сақлаў мǝкемесиниң жас өспиримниң денсаўлығының жағдайы ҳǝм оны қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў мүмкинлиги ҳаққындағы жуўмағы; жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссия усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген ҳүжжетлерди алғаннан соң жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў туўралы мүрǝжатнаманы, алынған ҳүжжетлерди, сондай-ақ жынаят исин қозғаўды бийкарлаған яки жуўмақланған жынаят исиниң материалларын қосымша еткен ҳалда үш суткадан кешиктирмей судқа жибереди. 30-статья Жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў ҳаққындағы мүрǝжатнаманың суд тǝрепинен көрип шығылыўы Жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў ҳаққындағы мүрǝжатнама жас өспиримлер ислери бойынша комиссия оны усыныс еткен ўақыттан баслап 24 саат ишинде жас өспиримниң жасаў орнындағы жынаят ислери бойынша районлық (қалалық) судтың судьясы тǝрепинен жабық суд мǝжилисинде жеке тǝртипте көрип шығылады. Өзине қарата қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў туўралы мүрǝжатнаманы көрилип атырған жас өспирим, оның ата-анасы яки ата-анасының орнын басыўшы шахслар, прокурор, ǝменгерлик ҳǝм қǝўендерлик уйымларының, жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссияның ўǝкиллери суд мǝжилисинде қатнасыўы шǝрт. Мүрǝжатнаманы көрип шығыўда ишки ислер уйымының ўǝкили ҳǝм адвокат қатнасыўы мүмкин. Жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў ҳаққындағы мүрǝжатнаманы көрип шығыў жас өспиримлер ислери бойынша комиссия ўǝкилиниң жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў зǝрүрлигин тийкарлап беретуғын баянатынан басланады. Соңынан прокурор, өзине қарата мүрǝжатнама көрилип атырған жас өспирим, адвокат, егер суд мǝжилисинде қатнасып атырған болса, судқа келген басқа шахслар тыңланады, усынылған материаллар үйрениледи. Уйғарыў судья тǝрепинен арнаўлы бөлмеде шығарылады. Жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў ҳаққында мүражатнаманы көрип шығып, судья төмендеги уйғарыўлардың бирин шығарады: мүрǝжатнаманы қанаатландырыў ҳǝм жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине усы мǝжбүрлеў шарасын қолланыў мүддетин көрсеткен ҳалда орналастырыў ҳаққында; жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырмай дүзелиўи мүмкинлигин тастыйықлаўшы жағдайлар яки оны усы мǝкемеге орналастырыўға тосқынлық ететуғын себеплер судья тǝрепинен анықланған жағдайларда, мүрǝжатнаманы қанаатландырмаў ҳǝм материалларды жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссияға жас өспиримге қарата басқа тǝсиршең шараларын қолланыў ушын жибериў ҳаққында. Судьяның жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў туўралы мүрǝжатнаманы қанаатландырыў яки қанаатландырмаў туўралы уйғарыўы ол оқып еситтирилген ўақыттан баслап өз күшине киреди ҳǝм дǝрҳал орынланыўы тийис. Судьяның жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў ҳаққында мүрǝжатнама бойынша шығарған уйғарыўы дǝрҳал бул уйғарыўды орынлаўды тǝмийинлеўши уйымлар ҳǝм мǝкемелерге жибериледи, жас өспиримге, оның ата-анасы яки ата-анасының орнын басыўшы шахсларға, ǝменгерлик ҳǝм қǝўендерлик уйымына, адвокатқа, егер ол суд мǝжилисинде қатнасқан болса мағлыўмат ушын жибериледи. Судьяның жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў ҳаққында мүрǝжатнама бойынша шығарған уйғарыўы үстинен судья усы уйғарыўды шығарған күннен баслап он күн ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына, жынаят ислери бойынша районлық, қалалық, судларына жас өспирим, оның ата-анасы яки ата-анасының орнын басыўшы шахслар, ǝменгерлик ҳǝм қǝўендерлик уйымы, жас өспиримлер иси бойынша комиссия ҳǝм адвокат тǝрепинен шағым арза берилиўи яки прокурор тǝрепинен протест билдирилиўи мүмкин. (30-статьяныӊ сегизинши бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық өзгерис киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы судының, жынаят ислери бойынша районлық, қалалық, судларының судьясы жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў ҳаққындағы мүрǝжатнама бойынша шығарылған уйғарыўы үстинен берилген шағым арзасын (протестин) шағым (протест) келип түскен күннен баслап он күн ишинде көрип шығады ҳǝм төмендеги уйғарыўлардан бирин шығарады: (30-статьяныӊ тоғзыншы бөлимниӊ биринши абзацына Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық өзгерис киргизилген) судьяның уйғарыўын өзгериссиз, шағым арзаны (протестти) қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында; судьяның уйғарыўын өзгертиў ҳаққында; судьяның мүрǝжатнаманы қанаатландырыў ҳǝм жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў ҳаққындағы уйғарыўын бийкар етиў ҳаққында; судьяның мүрǝжатнаманы қанаатландырмай қалдырыў ҳаққындағы уйғарыўын жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў мǝселесин шешкен ҳалда бийкар етиў ҳаққында. 31-статья. Судтың жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў ҳаққындағы мүрǝжатнама бойынша шығарған уйғарыўын орынлаў Судтың жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў ҳаққындағы мүрǝжатнама бойынша шығарған уйғарыўының орынланыўын төмендегилер тǝмийинлейди: жас өспиримлер ислери бойынша мǝкемелераралық комиссия жас өспиримге қатнаслы қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине орналастырыў менен байланыслы болмаған басқа тǝсир шараларын қолланыўға тийисли бөлегин; социаллық-ҳуқықый жǝрдем көрсетиў орайы жас өспиримди қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемесине алып барыўға тийисли бөлегин; қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемеси жас өспиримди усы мǝкемеде сақлаў мүддети даўамында оның дүзелиўи ҳǝм социаллық-педагогикалық реабилитация етилиўин тǝмийинлеўге тийисли бөлегин.VI-БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР
32-статья. Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелерди финанслық ҳǝм материаллық-техникалық тǝмийинлеў Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ǝмелге асырыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелерди финанслық ҳǝм материаллық-техникалық тǝмийинлеў Өзбекстан Республикасы Мǝмлекетлик бюджетиниң қаржылары ҳǝм нызам актлеринде қадаған етилмеген басқа да дǝреклер есабынан ǝмелге асырылады. 33-статья. Тартысларды шешиў Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы саласындағы тартыслар нызам актлеринде белгиленген тǝртипте шешиледи. 34-статья. Жас өспиримлер арасында қараўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлық ушын жуўапкершилик Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳǝм ҳуқықбузарықлардың профилактикасы ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.