Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

«ЭКОЛОГИЯЛЫҚ ҚАДАҒАЛАЎ ҲАҚҚЫНДА»

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 30.09.2014-ж. №227/XVI

«ЭКОЛОГИЯЛЫҚ ҚАДАҒАЛАЎ ҲАҚҚЫНДА»

 Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген 18.08.2018-ж. 167/XXII-санлы ҚР Нызамы 07.04.2022-ж. 209/XXVII-санлы ҚР Нызамы

1-БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР

1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети экологиялық қадағалаў саласындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Экологиялық қадағалаў ҳаққындағы нызамшылық Экологиялық қадағалаў ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа да нызам актлеринен ибарат. Егер Өзбекистан Республикасының халық аралық шәртнамаларында Қарақалпақстан Республикасының экологиялық қадағалаў ҳаққындағы нызам актлеринде нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халық аралық шәртнама қағыйдалары қолланылады. 3-статья. Экологиялық қадағалаў түсиниги Экологиялық қадағалаў қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылық талапларының бузылыўының алдын алыў, оны анықлаў ҳәм оған шек қойыўға, тәбиятты қорғаў жумысы нәтийжелилигин асырыўға қаратылған мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик илажлардың системасы болып табылады. 4-статья. Экологиялық қадағалаўдың тийкарғы ўазыйпалары Экологиялық қадағалаўдың тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат: қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылық талаплары бузылыўының алдын алыў, оны анықлаў ҳәм оған шек қойыў; қоршаған орталық жағдайын бақлап барыў, қоршаған орталықтың патасланыўына, тәбийий ресурслардан орынсыз пайдаланылыўына алып келиўи, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына қәўип салыўы мүмкин болған жағдайларды анықлаў; гөзленген яки әмелге асырылып атырған хожалық жумысы ҳәм басқа да жумыстың экологиялық талапларға муўапықлығын анықлаў; юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы ҳуқықлары ҳәм де нызамлы мәплериниң сақланыўын, олар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыўын тәмийинлеў; қоршаған орталықтағы өзгерислер, оның болжаўлық жағдайын, тәбийий ресурслардан пайдаланылыўы ҳәм көрилип атырған тийисли илажлар ҳаққында мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм басқа да шөлкемлерди ҳәм де пуқараларды хабардар етиў; тәбиятты қорғаў жумысының нәтийжелилигин асырыў ҳәм де мәмлекетлик экологиялық бағдарламалар ҳәм басқа да экологиялық бағдарламалардың әмелге асырылыўында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың қатнасыўын тәмийинлеў. 5-статья. Экологиялық қадағалаўдың тийкарғы принциплери Экологиялық қадағалаўдың тийкарғы принциплери нызамлылық, объективлик, бийғәрезлик, жәриялылық, шахс, жәмийет ҳәм де мәмлекеттиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўдан ибарат. 6-статья. Экологиялық қадағалаў саласындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары Экологиялық қадағалаў саласындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат: экологиялық қадағалаў системасын қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў; пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығы ушын қолайлы қоршаған орталықты жаратыў; экологиялық қадағалаў саласындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар (буннан кейин текстте арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар деп қолланылады), жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекет ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, хожалық жүргизиўши субъектлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралар менен қоршаған орталықтың қорғалыўын ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланылыўын тәмийинлеў бағдарында бирге ислесиўдиң шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлерин тереңлестириў. 7-статья. Экологиялық қадағалаў объектлери Экологиялық қадағалаў объектлери төмендегилерден ибарат: жер, жер асты байлықлары, суўлар, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы, атмосфера ҳаўасы; қоршаған орталыққа тәсир етиўши тәбийий ҳәм техноген дереклер; қоршаған орталық патасланыўына ҳәм тәбийий ресурслардан орынсыз пайдаланылыўына алып келиўи, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына қәўип салыўы мүмкин болған жумыс, ҳәрекет яки ҳәрекетсизлик. 8-статья. Экологиялық қадағалаў субъектлери Экологиялық қадағалаў субъектлери төмендегилерден ибарат: Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси; арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлары; жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары; мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары; хожалық жүргизиўши субъектлер; пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары; мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер; пуқаралар. 9-статья. Экологиялық қадағалаўдың түрлери Экологиялық қадағалаўдың түрлери төмендегилерден ибарат: мәмлекетлик экологиялық қадағалаў; ведомстволық экологиялық қадағалаў; өндирислик экологиялық қадағалаў; жәмийетлик экологиялық қадағалаў.

2-БАП. ЭКОЛОГИЯЛЫҚ ҚАДАҒАЛАЎ СУБЪЕКТЛЕРИНИҢ ЎӘКИЛЛИКЛЕРИ

10-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң экологиялық қадағалаў саласындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: экологиялық қадағалаў саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлейди; мәмлекетлик экологиялық бағдарламаларды тастыйықлайды ҳәм олардың әмелге асырылыўын қадағалайды; мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды, сондай-ақ қоршаған орталықтың мәмлекетлик мониторингин әмелге асырыў тәртибин белгилейди; ведомстволық, өндирислик, жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы, экологиялық хызмет ҳаққындағы, сондай-ақ экологиялық қадағалаўдың жәмийетлик инспекторы ҳаққындағы үлги режелерди тастыйықлайды; Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызамшылыққа муўапық басқа ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. 11-статья. Экологиялық қадағалаў саласындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар, олардың ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекстан Республикасы Санаат қәўипсизлиги Мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан аймақлық басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы, Қарақалпақстан Республикаси Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар болып табылады. (11-статьяныӊ биринши бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети басқа арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың мәмлекетлик экологиялық қадағалаў саласындағы жумысын муўапықластырып барады. Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар: экологиялық қадағалаў саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда қатнасады; мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырады; мәмлекетлик экологиялық бағдарламалар ҳәм басқа да экологиялық бағдарламаларды, соның ишинде, қоршаған орталықтың мәмлекетлик мониторинги бағдарламаларын ислеп шығыўда қатнасады ҳәм де олардың әмелге асырылыўын тәмийинлейди; белгиленген тәртипте экологиялық қадағалаў саласындағы норматив-ҳуқықый актлерди ислеп шығыўда қатнасады, сондай-ақ экологиялық қадағалаў саласындағы норматив-ҳуқықый актлерди ислеп шығады ҳәм тастыйықлайды; экологиялық қадағалаўдың басқа субъектлери ҳәм ғалаба хабар қураллары менен мәмлекетлик экологиялық қадағалаў мәселелери бойынша бирге ислеседи; ведомстволық, өндирислик экологиялық хызметлерин мәмлекетлик экологиялық қадағалаўда қатнасыўға тартады; ведомстволық, өндирислик ҳәм жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўда методикалық жәрдем көрсетеди ҳәм көмеклеседи. Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар төмендеги салаларда мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырады: Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети - қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласында, усы бөлимниң үшинши – тоғызыншы абзацларында нәзерде тутылған салаларды қадағалаў буған кирмейди; (ҚР ЖК 18.08.2018-ж. 167/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги - қоршаған орталықтың радиоактив, химиялық, биологиялық затлар менен патасланыўы, ишимлик суўы менен тәмийинлеў, атмосфера ҳаўасына физикалық факторлардың зыянлы тәсир етиўи бойынша; Өзбекстан Республикасы Санаат қәўипсизлиги Мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан аймақлық басқармасы - санаат қәўипсизлигине, радиациялық ҳәм ядролық қәўипсизликке, жер астынан пайдаланып атырғанда ислерди қәўипсиз  алып барылыўын тәмийинлеў бойынша; (11-статьяныӊ төртинши  бөлимниӊ төртинши абзацына Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги - авто-мототранспорт қуралларының ислетилиўинде атмосфера ҳаўасының патасланыўы бойынша; Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги - жасалма суў объектлериниң суўынан пайдаланыў ҳәм тутыныў бойынша; (ҚР ЖК 18.08.2018-ж. 167/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы – өсимликлер дүньясын қорғаў бойынша аймақлық карантин қағыйдаларының орынланыўы бойынша; Қарақалпақстан Республикаси Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети – ҳайўанаталар дүньясын қорғаў бойынша ветеринария, ветеринария-санитария қағыйдалары ҳәм нормаларының орынланыўы бойынша; (11-статьяныӊ төртинши  бөлимниӊ сегизинши абзацына Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги - жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша, жерлердиң өндирис шығындылары ҳәм басқа да шығындылар, радиоактив, химиялық, биологиялық затлар ҳәм ақаба суўлар менен патасланыўы буған кирмейди. (11-статьяныӊ төртинши  бөлимниӊ тоғызыншы абзацына Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық өзгерислер киргизилген) Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. 12-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының экологиялық қадағалаў саласындағы ўәкилликлери Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары: мәмлекетлик экологиялық бағдарламалар ҳәм басқа экологиялық бағдарламалардың әмелге асырылыўында қатнасады; аймақлық экологиялық бағдарламаларды тастыйықлайды ҳәм олардың әмелге асырылыўын тәмийинлейди; тийисли аймақта мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырады; экологиялық қадағалаўдың басқа да субъектлери ҳәм ғалаба хабар қураллары менен мәмлекетлик экологиялық қадағалаў мәселелери бойынша  өз-ара бирге ислеседи. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. 13-статья. Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының экологиялық қадағалаў саласындағы ўәкилликлери Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары өз ўәкилликлери шеңберинде: экологиялық қадағалаў саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда қатнасады; ведомстволық экологиялық қадағалаўды әмелге асырады; мәмлекетлик экологиялық бағдарламалар ҳәм басқа да экологиялық бағдарламаларды, соның ишинде, қоршаған орталықтың мәмлекетлик мониторинги бағдарламаларын ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; белгиленген тәртипте экологиялық қадағалаў саласындағы норматив-ҳуқықый актлерди ислеп шығыўда қатнасады, сондай-ақ экологиялық қадағалаў саласындағы норматив-ҳуқықый актлерди ислеп шығады ҳәм тастыйықлайды; мәмлекетлик басқарыў уйымларына қараслы шөлкемлерде, сондай-ақ, хожалық басқарыўы уйымлары қурамына кириўши шөлкемлерде қоршаған орталық ҳәм тәбийий ресурслар жағдайын бақлаў системасының ислеўин тәмийинлейди; экологиялық қадағалаўдың басқа да субъектлери ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ведомстволық экологиялық қадағалаў мәселелери бойынша бирге ислеседи; мәмлекетлик басқарыў уйымларына қараслы шөлкемлерде, сондай-ақ, хожалық басқарыўы уйымлары қурамына кириўши шөлкемлерде өндирислик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўда методикалық жәрдем көрсетеди ҳәм көмеклеседи. Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. 14-статья. Хожалық жүргизиўши субъектлердиң экологиялық қадағалаў саласындағы ҳуқықлары ҳәм миннетлери Хожалық жүргизиўши субъектлер өз ўәкилликлери шеңберинде төмендеги ҳуқықларға ийе: өндирислик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыў; мәмлекетлик экологиялық бағдарламаларды ҳәм басқа да экологиялық бағдарламаларды, соның ишинде, қоршаған орталықтың мәмлекетлик мониторинги бағдарламаларын ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда қатнасыў; экологиялық қадағалаў саласындағы норматив-ҳуқықый актлерди ислеп шығыўда қатнасыў; қоршаған орталықтың жағдайы ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳаққында тийисли мәмлекетлик уйымларға мүрәжат етиў ҳәм мәлимлеме алыў; экологиялық қадағалаўдың басқа да субъектлери ҳәм ғалаба хабар қураллары менен өндирислик экологиялық қадағалаў мәселелери бойынша бирге ислесиў. Хожалық жүргизиўши субъектлер төмендегилерди орынлаўы шәрт: экологиялық қадағалаў ҳаққындағы нызамшылық талапларына бойсыныў; қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў; қоршаған орталықтың жағдайын ҳәм қоршаған орталықтың патасланыўына ҳәм де тәбийий ресурслардан орынсыз пайдаланыўға алып келиўи, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына қәўип салыўы мүмкин болған жағдайларды бақлап барыўды әмелге асырыў; қоршаған орталыққа жол қойылыўы мүмкин болған ең жоқары тәсирди тәртипке салыўшы экологиялық нормативлерди ислеп шығыў ҳәм оларға бойсыныў; экологиялық қадағалаў барысында анықланған қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылық бузылыўы фактлерин сапластырыў; экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўда экологиялық қадағалаўдың басқа да субъектлерине көмеклесиў. Хожалық жүргизиўши субъектлер нызамшылыққа муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы ҳәм олардың жуўапкершилигинде басқа да миннетлер болыўы мүмкин. 15-статья. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының экологиялық қадағалаў саласындағы ўәкилликлери Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары: қоршаған орталықты қорғаўды тәмийинлеў, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелери бойынша шешимлер таярлаўда ҳәм қабыл етиўде, сондай-ақ мәмлекетлик экологиялық бағдарламалар ҳәм басқа да экологиялық бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; тийисли аймақта жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырады; қоршаған орталық жағдайын ҳәм қоршаған орталықтың патасланыўына ҳәм де тәбийий ресурслардан орынсыз пайдаланыўға алып келиўи, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына қәўип салыўы мүмкин болған жағдайларды бақлап барыўды әмелге асырады; экологиялық қадағалаў саласындағы норматив-ҳуқықый актлерди ислеп шығыўда қатнасады; арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларына, хожалық жүргизиўши субъектлерге мәмлекетлик, ведомстволық ҳәм өндирислик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўда өз ўәкилиниң бақлаўшы сыпатында қатнасыўы ҳаққында усыныслар киргизеди; қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылықтың бузылыўының өзи тәрепинен анықланған факты ҳаққында арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымларды, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларын, хожалық жүргизиўши субъектлерди хабардар етеди; қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылық талаплары бузылыўы анықланған фактлер бойынша илажлар көриў ҳаққында тийисли мәмлекетлик уйымларға усыныслар киритеди; қоршаған орталықтың жағдайы, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, усы саладағы нызамшылықтың бузылыўы анықланған фактты сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында тийисли мәмлекетлик уйымларға мүрәжат етеди ҳәм мәлимлеме алады; қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелерине тийисли жәмийетлик пикирди үйренеди, жәмийетлик экологиялық экспертизаны өткереди; қоршаған орталықты қорғаў, аймақтың санитариялық жағдайы, оны абаданластырыў ҳәм көгалландырыў мәселелери бойынша өз ўәкилликлери шеңберинде тийисли аймақта жайласқан кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер басшыларының есабатларын тыңлайды ҳәм де олардың нәтийжелери бойынша шешимлер қабыл етеди; қоршаған орталықты қорғаўға көмеклеседи, экологиялық қадағалаўдың басқа субъектлери ҳәм ғалаба хабар қураллары менен жәмийетлик экологиялық қадағалаў мәселелери бойынша, соның ишинде, экологиялық қадағалаўдың жәмийетлик инспекторлары системасын қәлиплестириўде бирге ислеседи; халықтың экологиялық мәдениятын асырыў, экологиялық тәлим ҳәм тәрбияны раўажландырыў бойынша жумысқа көмеклеседи. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары нызамшылыққа муўапық басқа ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. 16-статья. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң экологиялық қадағалаў саласындағы ҳуқықлары ҳәм миннетлери Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер өз уставларына муўапық төмендеги ҳуқықларға ийе: қоршаған орталықты қорғаўды, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийнлеў мәселелери бойынша шешимлер таярлаўда, сондай-ақ мәмлекетлик экологиялық бағдарламалар ҳәм басқа да экологиялық бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда қатнасыў; жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыў; қоршаған орталық жағдайын ҳәм қоршаған орталықтың патасланыўына ҳәм тәбийий ресурслардан орынсыз пайдаланыўға алып келиўи, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына қәўип салыўы мүмкин болған жағдайларды бақлап барыўда қатнасыў; экологиялық қадағалаў саласындағы нормативлик-ҳуқықый актлерди ислеп шығыўда қатнасыў; арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларына, хожалық жүргизиўши субъектлерге мәмлекетлик, ведомстволық ҳәм өндирислик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўда өз ўәкилиниң бақлаўшы сыпатында қатнасыўы ҳаққында усыныслар киргизиў; қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылықтың бузылыўының өзи тәрепинен анықланған факты ҳаққында арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымларын, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларын, хожалық жүргизиўши субъектлерди хабардар етиў; қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылық талапларының бузылғанлығы анықланған фактлер бойынша шаралар көриў ҳаққында тийисли мәмлекетлик уйымларға усыныслар киргизиў; қоршаған орталықтың жағдайын, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, усы саладағы нызамшылықтың бузылыўы бойынша анықланған фактты сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында тийисли мәмлекетлик уйымларға мүрәжат етиў ҳәм мәлимлеме алыў; қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелерине тийисли жәмийетлик пикирди үйрениў, жәмийетлик экологиялық экспертизасын өткериў; тийисли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер басшыларының қоршаған орталықты қорғаў, аймақтың санитариялық жағдайын, оны абаданластырыў ҳәм көгалландырыў мәселелерине тийисли мәлимлеме ҳәм де есабатларын тыңлаўда қатнасыў; экологиялық қадағалаўдың басқа да субъектлери ҳәм ғалаба хабар қураллары менен жәмийетлик экологиялық қадағалаў мәселелери бойынша, соның ишинде, экологиялық қадағалаўдың жәмийетлик инспекторлары системасын қәлиплестириўде бирге ислесиў; халықтың экологиялық мәдениятын асырыў, экологиялық тәлим ҳәм тәрбияны раўажландырыў бойынша жумысқа көмеклесиў. Өзбекстан Экологиялық ҳәрекетиниң Қарақалпақстан аймақлық бөлими, усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген ҳуқықлар менен бир қатарда, өз уставындағы ўазыйпаларына муўапық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўда қатнасыўын және де күшейтиўге қаратылған усынысларды ислеп шығады. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер төмендегилерди орынлаўы шәрт: экологиялық қадағалаў ҳаққындағы нызамшылық талапларына бойсыныў; экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўда экологиялық қадағалаўдың басқа да субъектлерине көмеклесиў; экологиялық қадағалаўдың басқа да субъектлери ўазыйпаларын орынламаў. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер нызамшылыққа муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы ҳәм олардың жуўапкершилигинде басқа миннетлер де болыўы мүмкин. 17-статья. Пуқаралардың экологиялық қадағалаў саласындағы ҳуқықлары ҳәм миннетлери Пуқаралар төмендеги ҳуқықларға ийе: қоршаған орталықты қорғаўды, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў мәселелери бойынша шешимлер таярлаў ҳәм қабыл етиўде, сондай-ақ мәмлекетлик экологиялық бағдарламаларды ҳәм басқа да экологиялық бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм де әмелге асырыўда қатнасыў; қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылыққа юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен бойсынылыўын бақлап барыўды әмелге асырыў; экологиялық қадағалаў саласындағы норматив-ҳуқықый актлерди ислеп шығыўда қатнасыў; қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылықтың бузылыўының өзи тәрепинен анықланған факты ҳаққында арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымларды, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларын, хожалық жүргизиўши субъектлерди, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларын хабардар етиў; қоршаған орталықтың жағдайын, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, усы саладағы нызамшылықтың бузылыўы бойынша анықланған фактты сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында тийисли мәмлекетлик уйымларға мүрәжат етиў ҳәм мәлимлеме алыў; қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелери бойынша жәмийетлик пикирди үйрениў, жәмийетлик экологиялық экспертизасын өткериўде қатнасыў; тийисли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер басшыларының қоршаған орталықты қорғаў, аймақтың санитариялық жағдайын, оны абаданластырыў ҳәм көгалландырыў мәселелери бойынша мәлимлеме ҳәм есабатларын тыңлаўда қатнасыў. Пуқаралар төмендегилерди орынлаўы шәрт: экологиялық қадағалаў ҳаққындағы нызамшылық талапларына бойсыныў; экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўда экологиялық қадағалаўдың басқа да субъектлерине көмеклесиў. Пуқаралар нызамшылыққа муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы ҳәм олардың жуўапкершилигинде басқа миннетлер де болыўы мүмкин. 18-статья. Экологиялық қадағалаўдың жәмийетлик инспекторы, оның ҳуқықлары ҳәм миннетлери Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыў мақсетинде экологиялық қадағалаўдың жәмийетлик инспекторлары системасын қәлиплестириўи ҳәм олардың жумысын муўапықластырыўы мүмкин. Белгиленген тәртипте арнаўлы таярлықтан өткен ҳәм экологиялық қадағалаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болған Өзбекистан Республикасы пуқарасы экологиялық қадағалаўдың жәмийетлик инспекторы болыўы мүмкин. Экологиялық қадағалаўдың жәмийетлик инспекторы төмендеги ҳуқықларға ийе: қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылыққа юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен бойсыныўын бақлап барыўды әмелге асырыў; мәмлекетлик, ведомстволық ҳәм өндирислик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўда бақлаўшы сыпатында қатнасыў; қоршаған орталықтың жағдайын, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, усы саладағы нызамшылықтың бузылыўы туўралы анықланған фактты сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында мәлимлеме алыў ушын тийисли мәмлекетлик уйымларға пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымының ҳәм (яки) мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң мүрәжатын таярлаўда қатнасыў; юридикалық ҳәм физикалық шахслардан жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыў ушын зәрүр болған ҳүжжетлерди ҳәм мәлимлеме алыў; қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелери бойынша жәмийетлик пикирин үйрениў, жәмийетлик экологиялық экспертизасын өткериўде қатнасыў; тийисли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер басшыларының қоршаған орталықты қорғаў, аймақтың санитариялық жағдайын, абаданластырыў ҳәм көгалландырыў мәселелерине тийисли мәлимлеме ҳәм есабатларын тыңлаўда қатнасыў; халықтың экологиялық мәдениятын асырыў, экологиялық тәлим ҳәм тәрбияны раўажландырыўға тийисли жумыста қатнасыў. Экологиялық қадағалаўдың жәмийетлик инспекторы төмендегилерди орынлаўы шәрт: Экологиялық қадағалаў ҳаққындағы нызамшылық талапларына бойсыныў; Экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўда экологиялық қадағалаўдың басқа да субъектлерине көмеклесиў; Экологиялық қадағалаўдың басқа субъектлери ўазыйпаларын орынламаў. Экологиялық қадағалаўдың жәмийетлик инспекторы нызамшылыққа муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы ҳәм оның жуўапкершилигинде басқа миннетлер де болыўы мүмкин. Экологиялық қадағалаўдың жәмийетлик инспекторы ҳаққындағы үлги реже Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланады.

3-БАП. ЭКОЛОГИЯЛЫҚ ҚАДАҒАЛАЎДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ

19-статья. Экологиялық қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби Мәмлекетлик экологиялық қадағалаўы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен әмелге асырылады. Мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен белгиленеди. Ведомстволық экологиялық қадағалаў мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары тәрепинен мәмлекетлик басқарыў уйымларына қараслы шөлкемлерде, сондай-ақ хожалық басқарыў уйымларының қурамына кириўши шөлкемлерде әмелге асырылады. өндирислик экологиялық қадағалаў хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен өз хожалық жумысында ҳәм басқа да жумыста әмелге асырылады. Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, сондай-ақ хожалық жүргизиўши субъектлер Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланатуғын экологиялық хызмет ҳаққындағы үлги режеге муўапық экологиялық хызметти шөлкемлестириўи мүмкин. Жәмийетлик экологиялық қадағалаўы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралар тәрепинен әмелге асырылады. Ведомстволық, өндирислик ҳәм жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланатуғын ведомстволық, өндирислик ҳәм жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы үлги режелерге муўапық белгиленеди. 20-статья. Экологиялық қадағалаўдың формалары ҳәм усыллары Мәмлекетлик, ведомстволық ҳәм өндирислик экологиялық қадағалаўдың формалары төмендегилерден ибарат: қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылық талапларының юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен сақланыўын, мәмлекетлик экологиялық бағдарламалар ҳәм басқа да экологиялық бағдарламалардың әмелге асырылыўын тексериў; қоршаған орталық мониторинги. Усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған формалардан тысқары, сондай-ақ мәмлекетлик экологиялық экспертизасы мәмлекетлик экологиялық қадағалаўдың, ал экологиялық аудит болса, өндирислик экологиялық қадағалаўдың формасы болып табылады. Мәмлекетлик, ведомстволық ҳәм өндирислик экологиялық қадағалаў қоршаған орталыққа тәсир етиўши факторларды есапқа алыў, қоршаған орталық ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўдың жағдайын таллаў, баҳалаў ҳәм болжаў жолы менен әмелге асырылады. Жәмийетлик экологиялық қадағалаўдың формалары төмендегилерден ибарат: қоршаған орталық жағдайын ҳәм оның хожалық жумысы ҳәм басқа да жумыс тәсири астындағы өзгерислерин, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылық талапларына юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен бойсынылыўын, мәмлекетлик экологиялық бағдарламалар ҳәм басқа да экологиялық бағдарламалардың әмелге асырылыўын бақлап барыў; мәмлекетлик, ведомстволық ҳәм өндирислик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўда бақлаўшы сыпатында қатнасыў; тийисли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер басшыларының қоршаған орталықты қорғаў, аймақтың санитариялық жағдайын, абаданластырыў ҳәм көгалландырыў мәселелерине тийисли мәлимлеме ҳәм есабатларын тыңлаў; жәмийетлик экологиялық экспертизаны өткериў. Жәмийетлик экологиялық қадағалаў қоршаған орталық ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўдың жағдайын таллаў ҳәм баҳалаў, сондай-ақ жәмийетлик пикирин үйрениў арқалы әмелге асырылыўы мүмкин. Мәмлекетлик, ведомстволық, өндирислик ҳәм жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўда нызамшылыққа муўапық басқа формалар ҳәм усыллардан да пайдаланылыўы мүмкин. 21-статья. Экологиялық қадағалаў нәтийжелерин рәсмийлестириў Мәмлекетлик, ведомстволық ҳәм өндирислик экологиялық қадағалаў нәтийжелерин рәсмийлестириў белгиленген тәртипте: қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылық талапларының юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен сақланыўын, мәмлекетлик экологиялық бағдарламалар ҳәм басқа да экологиялық бағдарламалар әмелге асырылыўын тексериў нәтийжелери бойынша акт яки мағлыўматнама; қоршаған орталық мониторинги нәтийжелери бойынша мәлимлеме яки есабат; мәмлекетлик экологиялық экспертиза ҳәм экологиялық аудит нәтийжелери бойынша жуўмақ дүзиў арқалы әмелге асырылыўы мүмкин. Жәмийетлик экологиялық қадағалаў нәтийжелери белгиленген тәртипте мағлыўматнама яки мәлимлеме дүзиў арқалы рәсмийлестирилиўи мүмкин. Мәмлекетлик, ведомстволық, өндирислик ҳәм жәмийетлик экологиялық қадағалаў нәтийжелери нызамшылыққа муўапық басқа жоллар менен де рәсмийлестирилиўи мүмкин. 22-статья. Экологиялық қадағалаў нәтийжелерин әмелге асырыў формалары Мәмлекетлик, ведомстволық ҳәм өндирислик экологиялық қадағалаў нәтийжелерин әмелге асырыў формалары төмендегилерден ибарат: қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылық талапларының бузылыўын сапластырыў ҳаққында юридикалық яки физикалық шахсқа жазба көрсетпе бериў; кәрханалар, шөлкемлер, қурылмалар ҳәм басқа да объектлердиң жумысын айрықша жағдайлар, эпидемиялар ҳәм пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына басқа да анық қәўиптиң жүзеге келиўиниң алдын алыўға  байланыслы он жумыс күнинен артық болмаған мүддетке шеклеў, тоқтатып турыў ҳаққында арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының шешимин қабыл етиў; арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымның, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымының қоршаған орталыққа зыянлы тәсир көрсетип атырған кәрханалар, шөлкемлер, қурылмалар ҳәм басқа да объектлердиң жумысларын шеклеў, тоқтатып турыў, сапластырыў ҳәм (яки) қайта қәнигелестириў ҳаққында, сондай-ақ қоршаған орталыққа, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына келтирилген зыянның орнын қаплаў ҳаққында судқа арза менен мүрәжат етиўи; қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылық талапларын бузған шахсларды жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы материалды арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен ҳуқық қорғаў уйымларына жибериў; ведомстволық экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўшы мәмлекетлик яки хожалық басқарыўы уйымының лаўазымлы шахсы тәрепинен мәмлекетлик басқарыў уйымы қурамындағы шөлкем яки хожалық басқарыўы уйымы қурамына кириўши шөлкем басшысына қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылық талапларының бузылыўы туўралы анықланған факт бойынша илажлар көриў ушын усыныс киргизиў; өндирислик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўшы ўәкилликли шахс тәрепинен хожалық жүргизиўши субъект басшысына қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылық талапларының бузылыўы туўралы анықланған факт бойынша илажлар көриў ушын усыныс киргизиў. Жәмийетлик экологиялық қадағалаў нәтийжелерин әмелге асырыў формалары төмендегилерден ибарат: арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымларды, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын ҳәм пуқараларды жәмийетлик экологиялық қадағалаўдың нәтийжелери ҳаққында хабардар етиў; тийисли мәмлекетлик уйымларға қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылық талапларының бузылыўы туўралы анықланған факт бойынша илажлар көриў ушын усыныслар киргизиў. Мәмлекетлик, ведомстволық, өндирислик ҳәм жәмийетлик экологиялық қадағалаў нәтийжелери нызамшылыққа муўапық басқа формаларда да әмелге асырылыўы мүмкин. 

4-БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР

 23-статья. Экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўға араласыўдың қадаған етилиўи Экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўға араласыў, экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўшы лаўазымлы ҳәм ўәкилликли шахсларға, жәмийетлик инспекторларға ҳәр қандай формада тәсир жүргизиў, олардың жумысына тосқынлық етиў қадаған етиледи. 24-статья. Тартысларды шешиў Экологиялық қадағалаў саласындағы тартыслар нызам актлеринде белгиленген тәртипте шешиледи. 25-статья. Экологиялық қадағалаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик Экологиялық қадағалаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылады.