ЖЕР ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ
ЖЕР ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакция)
Бул редакция 29.08.2006-ж. 92/III-санлы ҚР Нызамы менен тастыйықланған
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген 25.04.2009-ж. 240/III-санлы ҚР Нызамы 22.05.2010-ж. 31/II-санлы ҚР Нызамы 28.07.2015-ж. 43/IV -санлы ҚР Нызамы 11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы ҚР Нызамы 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы 29.06.2019-ж. 258/ XXVI-санлы ҚР Нызамы 16.12.2019-ж 282 / XXIX-санлы ҚР Нызамы 07.04.2022-ж. 209/XXVII-санлы ҚР НызамыI-БАП. Улыўма режелер
1-статья. Жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң тийкарғы ўазыйпалары Жер улыўма миллий байлық болып табылады, Қарақалпақстан Республикасы халқының тиришилиги, ҳәрекет етиўи ҳәм пәраўанлығының тийкары сыпатында оннан ақылға уғрас пайдаланыў зәрүр ҳәм ол мәмлекет тәрепинен қорғалады. Жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәзирги ҳәм келешек әўладлардың мәплерин гөзлеп жерден илимий тийкарланған тәризде, ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оны қорғаўды, топырақ өнимдарлығын тиклеў ҳәм арттырыўды, тәбийғый орталықты сақлаў ҳәм жақсылаўды, хожалық жүргизиўдиң барлық формаларын тең ҳуқықлылық тийкарында раўажландырыў ушын шараят жаратыўды, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкаларына болған ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеў мақсетинде жер қатнасықларын ретлестириўден, сондай-ақ бул салада нызамлылықты беккемлеўден соның ишинде коррупцияға тийисли ҳуқуқбузарлықлардың алдын алыўдан ибарат болып табылады.(ҚР ЖК 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 2-статья. Жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң тийкарғы принциплери Жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери төмендеги тийкарғы принциплерге тийкарланады: ең әҳмийетли тәбийғый ресурс, пуқаралардың тиришилик ҳәрекетиниң тийкары сыпатында жер қорын сақлаў, топырақтың сапасын жақсылаў ҳәм оның өнимдарлығын арттырыў; жерлерден ақылға уғрас, нәтийжели ҳәм белгиленген мақсетте пайдаланыўды тәмийинлеў; аўыл хожалығы ушын арналған жерлердиң, биринши нәўбетте суўғарылатуғын жерлердиң айрықша қорғалыўын, кеңейтип барылыўын ҳәм олардан қатаң белгиленген мақсетте пайдаланыўды тәмийинлеў; аўыл хожалығы жерлериниң өнимдарлығын арттырыў, жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў ҳәм жерлерди қорғаў илажларын әмелге асырыўды мәмлекетлик жол менен ҳәм басқа да тәризде қоллап-қуўатлаў; жерге ҳәм пүткил қоршап турған орталыққа зыян келтирилиўиниң алдын алыў, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў; жерге ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыў формаларының ҳәр түрлилигин, жер қатнасықлары қатнасыўшыларының тең ҳуқықлығын тәмийинлеў ҳәм олардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў; жерден пайдаланғанлығы ушын ҳақы төлеў; жерлердиң аўҳалы ҳаққындағы мағлыўматтың толық болыўын ҳәм оннан еркин пайдаланыўға жол қойылыўын тәмийинлеў. 3-статья. Жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери. Жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызамнан ҳәм жер қатнасықларын ретлестириўши басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Таў, тоғай ҳәм суў менен байланыслы болған қатнасықлар, топырақ, өсимлик ҳәм ҳайўанатлар дүньясынан, сондай-ақ атмосфера ҳаўасынан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаўға байланыслы қатнасықлар арнаўлы нызам ҳүжжетлери менен тәртиплестириледи. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериндегиден басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады. 4-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жер қатнасықларын ретлестириў саласындағы ўәкилликлери Жер қатнасықларын ретлестириў саласында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ўәкилликлерине төмендегилер киреди: топырақ өнимдарлығын арттырыў, жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша аймақлық бағдарламалар ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў; жер ресурсларынан белгиленген мақсетте, ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, жерлерди қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў; жер дүзиўди, жер мониторинги ҳәм мәмлекетлик жер кадастры жүргизилиўин шөлкемлестириў; аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди ижараға бериў бойынша ашық электрон таӊлаў жуўмақларын тастыйықлаў; жер участкаларын мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәжликлери ушын турақлы пайдаланыўға ажыратыў; көп квартиралы үйлер жайласқан ҳәм оларға тутас жер участкаларын улыўма пайдаланыў (коммерциялық емес мақсетлерде) ушын көп квартиралы үйлердеги жайлардыӊ меншик ийелерине турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында бериў; дипломатиялық ўәкилханалар ҳәм оларға теңлестирилген, Өзбекстан Республикасында аккредитацияланған халықаралық шөлкемлерге усы ўәкилханалардың имаратлары, соның ишинде ўәкилхана баслығы резиденциясын қурыў ушын жер участкаларын меншикке реализация етиў; жерге ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыў, сондай-ақ жер участкасын ижараға алыў ҳуқықларын белгиленген тәртипте, усы Нызамның 35-статьясына муўапық бийкарлаў; жер қатнасықларын ретлестириў саласында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ўәкилликлерине киретуғын басқа да мәселелерди шешиў. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жер қатнасықлары саласындағы қарарлары жойбарлары Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде ҳуқықый экспертизадан өткерилиўи шәрт. (4-статьяныӊ текстине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 5-статья. Районлардың мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жер қатнасықларын ретлестириў саласындағы ўәкилликлери Жер қатнасықларын ретлестириў саласында төмендегилер районлардың мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлерине киреди: топырақ өнимдарлығын арттырыў, жерлерден ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў илажларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асрырыў; жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў; усы Нызамныӊ 23-статьясында нәзерде тутылған жағдайларда физикалық ҳәм юридикалық шахслар менен жер участкаларын ижараға бериў шәртнамасын дүзиў; жер дүзиўди, жер мониторинги ҳәм мәмлекетлик жер кадастры жүргизилиўин шөлкемлестириў; жер участкаларына болған ҳуқықлардыӊ ҳәм олар бойынша келисимлердиӊ мәмлекетлик дизимге алыныўын шөлкемлестириў; жер қатнасықларын ретлестириў саласында районлардыӊ мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларыныӊ ўәкилликлерине киретуғын басқа да мәселелерди шешиў. (5-статьяныӊ текстине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 6-статья. Қалалардың мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жер қатнасықларын ретлестириў саласындағы ўәкилликлери Жер қатнасықларын ретлестириў саласында төмендегилер қалалардың мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлерине киреди: жерлерден ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў илажларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў; жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў; усы Нызамныӊ 23-статьясында нәзерде тутылған жағдайларда физикалық ҳәм юридикалық шахслар менен жер участкаларын ижараға бериў шәртнамасын дүзиў; жер дүзиўди, жер мониторинги ҳәм мәмлекетлик жер кадастры жүргизилиўин шөлкемлестириў; жер участкаларына болған ҳуқықлардыӊ ҳәм олар бойынша келисимлердиӊ мәмлекетлик дизимге алыныўын шөлкемлестириў; жер қатнасықларын ретлестириў саласында қалалардыӊ мәмлекетлик ҳәкимият уйымларыныӊ ўәкилликлерине киретуғын басқа да мәселелерди шешиў. (6-статьяныӊ текстине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)II-БАП. Жер қоры
7-статья. Жер қоры категориялары Қарақалпақстан Республикасында жер қоры жерлерден пайдаланыўдың белгиленген тийкарғы мақсетине муўапық төмендеги категорияларға бөлинеди: 1) аўыл хожалығына арналған жерлер-аўыл хожалығы зәрүрликлери ушын берилген ямаса усы мақсетке арналған жерлер. Аўыл хожалығына арналған жерлер суўғарылатуғын ҳәм суўғарылмайтуғын (қарызғар) жерлер, сүрилетуғын жерлер, пишензарлар, жайлаўлар, көп жыллық мийўели тереклер ҳәм жүзимзарлықлар ийелеген жерлерге бөлинеди; 2) елатлы пунктлердиң (қалалардың, поселкалардың ҳәм аўыллық елатлы пунктлердиң) жерлери - қалалар, поселкалар, сондай-ақ аўыллық елатлы пунктлердиң шегарасы шеклериндеги жерлер; 3) санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа да мақсетлерге арналған жерлер - көрсетилген мақсетлерде пайдаланыў ушын юридикалық шахсларға берилген жерлер; 4) тәбиятты қорғаў, саламатландырыў ҳәм рекреация мақсетлерине арналған жерлер - қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ийелеген, баслы экологиялық, илимий, мәдений, эстетикалық, рекреация ҳәм санитария-саламатландырыў әҳмийетине ийе жерлер; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 5) тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлер - материаллық мәдений мийрас объектлери жайласқан жерлер; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 6) тоғай фонды жерлери-тоғай менен қапланған, сондай-ақ тоғай менен қапланбаған, бирақ тоғай хожалығы зәрүрликлери ушын берилген жерлер; 7) суў қоры жерлери-суў объектлери, суў хожалығы қурылмалары ийелеген жерлер ҳәм суў объектлериниң жағаларын бойлап ажыратылған аймақтағы жерлер; 8) резерв жерлер. 8-статья. Жерлерди категорияларға бөлиў ҳәм бир категориядан басқасына өткериў Жерлер тийкарғы пайдаланыў мақсетине қарай жер қоры категорияларына бөлинеди. Жерлерден пайдаланыўдың тийкарғы мақсети-жерлерден жер кадастры ҳүжжетлеринде көрсетилген анық мақсетлерди гөзлеп пайдаланыўдың нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртиби ҳәм шәртлери болып табылады. Жерлерди жер қорының бир категориясынан басқасына өткериў жерлерден тийкарғы пайдаланыў мақсети өзгерген жағдайда ғана әмелге асырылады. Жерлерди жер қоры категорияларына бөлиў ҳәм бир категориядан басқасына өткериў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси тәрепинен әмелге асырылады, буған аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди жер фондыныӊ басқа категориясына өткериў кирмейди. (8-статьяныӊ 4-бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Суўғарылмайтуғын жерлерди аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясынан басқа категорияға өткериў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен әмелге асырылады, суўғарылатуғын жерлерди аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясынан жер фондыныӊ басқа категориясына яки суўғарылмайтуғын жерлер категориясына өткериў болса Өзбекстан Республикасы Президенти қарарына муўапық әмелге асырылады. (8-статьяныӊ 5-бөлими Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында толықтырылған) Жер қорының категориясы жер участкаларын бериў ҳуқықына ийе болған уйымлар тәрепинен қабыл етилетуғын жер участкаларын бериў ҳаққындағы қарарларда, жер участкаларына болған ҳуқықларды тастыйықлаўшы гүўлықларда, шәртнамаларда, басқа да ҳүжжетлерде, мәмлекетлик жер кадастры ҳүжжетлеринде көрсетиледи. Жерлерди бир категориядан басқасына өткериўдиң белгиленген тәртибин бузыў бундай өткериўди нызамсыз деп ҳәм олар тийкарында дүзилген жер участкаларына байланыслы келисимлерди ҳақыйқый емес деп табыўға, сондай-ақ жер участкаларына болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимге алыўдан бас тартыўға тийкар болады. 9-статья. Жер участкасы Жер участкасы-жер қорының белгиленген шегараға, майданға, жайласыў мәнзилине, ҳуқықый режимге ҳәм мәмлекетлик жер кадастрында сәўлелендирилген басқа да өзгешеликлерине ийе болған бөлеги болып табылады. Жер участкасының шегарасы планларда (сызылмаларда) белгиленеди ҳәм натурада (жердиң өзинде) көрсетиледи. Жер участкасының майданы натурада (жердиң өзинде) шегара белгиленгеннен соң анықланады. Жер участкасы бөлинетуғын ҳәм бөлинбейтуғын болыўы мүмкин. Өзиниң тийкарғы пайдаланыў мақсетин өзгертпеген ҳәм өртке қарсы, санитария, экологияға байланыслы, қала қурылысы ҳәм басқа да мәжбүрий нормалар ҳәм қағыйдаларды бузбаған ҳалда бөлеклерге бөлиў мүмкин болған ҳәм бул жумыс әмелге асырылғаннан кейин пайда болған бөлеклердиң ҳәр бири өз алдына жер участкасын пайда етиўи мүмкин болған жер участкасы бөлинетуғын жер участкасы болып табылады. Пайдаланыў мақсетине қарай өз алдына жер участкаларына бөлиниўи мүмкин болмаған жер участкасы бөлинбейтуғын жер участкасы болып есапланады.III-БАП. Жер дүзиў
10-статья. Аўыл хожалығының тәбийғый бейимлесиўи бойынша жерлерди районластырыў Аўыл хожалығының тәбийғый бейимлесиўи бойынша жерлерди районластырыў - тәбийғый шараятларды ҳәм аўыл хожалығы өсимликлери агробиологиялық талапларын есапқа алған ҳалда аймақлардың бөлиниўи. Аўыл хожалығына арналған жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў аўыл хожалығының тәбийғый бейимлесиўи бойынша жерлерди районластырыўға муўапық әмелге асырылады. Аўыл хожалығының тәбийғый бейимлесиўи бойынша жерлерди районластырыў ҳаққындағы нормативлик ҳүжжетлериниң талаплары жер участкаларын нызамлы сақлаў ўазыйпаларына байланыслы болып, юридикалық ҳәм физикалық шахсларға усы участкаларды бериў шәртлери қатарына киргизиледи. 11-статья. Жер дүзиўдиң ўазыйпалары ҳәм мазмуны Жер дүзиў жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаўды шөлкемлестириўге, жер ресурсларын есапқа алыў ҳәм баҳалаўға, қолайлы экологиялық орталықты пайда етиўге ҳәм тәбийғый ландшафтларды жақсылаўға, жер дүзиўдиң аймақлық ҳәм ишки хожалық жобаларын дүзиўге қаратылған илажлар системасын өз ишине алады. Жер дүзиў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымы қарарына ямаса юридикалық ҳәм физикалық шахслардың талапнамаларына муўапық Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм де Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниӊ уйымлары тәрепинен әмелге асырылады. (11-статьяныӊ 2-бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жер дүзиў болжаў ҳәм жойбарлаў алдынан, хожалықлар аралық ҳәм ишки хожалық жер дүзиў түрлерине бөлинеди. Болжаў ҳәм жойбарлаў алдынан әмелге асырылатуғын жер дүзиўге төмендегилер киреди; 1) республика ҳәм оның регионларының жер-суў ресурсларынан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў схемаларын ислеп шығыў; 2) республика ҳәм районлар жер дүзилиўи схемаларын ислеп шығыў; 3) топырақ өнимдарлығын арттырыў, жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаўға байланыслы болжаў жобаларын, республика көлеминдеги ҳәм аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыў; 4) қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың жайласыўы ҳәм шегаралары белгилениўин тийкарлаў. (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Хожалықлар аралық жер дүзиўге төмендегилер киреди; 1) аўыллар, поселкалар, районлар, қалалар шегараларын орынларда белгилеў; 2) жерлердиң жайласыўындағы қолайсызлықлар сапластырған ҳалда жер ийелериниң, жерден пайдаланыўшылардың, ижарашылардың ҳәм меншик ийелериниң жаңа жер участкаларын шөлкемлестириў ҳәм ҳәрекеттеги жер участкаларын тәртиплестириў жойбарларын дүзиў; 3) жаңадан шөлкемлестирилип атырған, қайтадан шөлкемлестирилип атырған аўыл хожалығы кәрханалары, мәкемелери ҳәм шөлкемлерине жер ажыратып бериў жойбарларын дүзиў; 4) мәмлекетлик, жәмийетлик зәрүрликлер ушын алып қойылатуғын жерлерди кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлерге ажыратып бериў жойбарларын дүзиў; 5) жер участкаларын натурада (жердиң өзинде) ажыратып бериў, жерге ийелик етиў ҳуқықын ҳәм жерден пайдаланыў ҳуқықын, жер участкасын ижараға алыў ҳуқықын ҳәм жер участкаларына болған меншик ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди таярлаў; 6) жаңа жерлерди өзлестириў, аўыл хожалығы жерлерин жақсылаў, топырақ өнимдарлығын сақлаў ҳәм арттырыў, бузылған жерлерди рекультивациялаў, топырақты суў ҳәм самал эрозиясынан, селлерден, көшкилерден, суў басыўдан, шөгиўден, батпақласыўдан, өндирис шығындылары, радиоактив ҳәм химиялық затлар менен патасланыўдан қорғаў бойынша ис жойбарларды ислеп шығыў; 7) барлық жерлерди дизимге алыў ҳәм пайдаланылмай атырған, нәтийжесиз пайдаланылып атырған ямаса мақсетке муўапық пайдаланылмай атырған жерлерди турақлы түрде анықлап барыў; 8) жерлерди ресурслық жақтан баҳалаў, жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша жер дүзиў ҳүжжетлерин ислеп шығыў; 9) жерлерди баҳалаў илажларын өткериў; Хожалықлар аралық жер дүзиў районлар яки бир-бири менен өз-ара байланыслы аўыл хожалығы кәрханалары, бирлеспелер ҳәм шөлкемлер топарының ҳәкимшилик шегаралары әтирапында нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Хожалықлар аралық жер дүзиў жойбарлары басқа районлар яки қала ҳәм поселкалар аймағына тийисли болған жағдайларда олардың шегараларын өзгертиў мәселелери ҳәкимшилик-аймақлық бирликлердиң шегараларын жердиң өзинде белгилеў тәртибинде қарап шығылады. Хожалықлар аралық жер дүзиў жойбарлары тастыйықланғаннан кейин натурадан (жердиң өзинде) көширилип, жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, ижарашылар ҳәм меншик ийелери жер участкаларының шегаралары белгиленген үлгидеги аралық белгилери менен ажыратылады. Ишки хожалық жер дүзиў түри аўыл хожалық кәрханалары, бирлеспелер ҳәм шөлкемлердиң аймағын ишки хожалық негизинде белгилеп алып, илимий тийкарланған алмаслап егиўди енгизиўди, барлық аўыл хожалық жерлерин (пишензарлар, жайлаўлар, бағлар, жүзимзарлар ҳәм басқаларды) жайластырыўды, топырақ эрозиясына қарсы гүрес илажларын ислеп шығыўды, сондай-ақ суўғарылатуғын жерлерди толық реконструкциялаўды өзи ишине алады. Ишки хожалық жер дүзиў түри жойбарларының әмелге асырылыўы үстинен жер дүзиўдиң қурамалы бөлеги болған авторлық қадағалаўы алып барылады. Жер дүзиў тәртибиндеги жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў менен байланыслы басқа жойбарлар да ислеп шығылыўы мүмкин. Жер дүзиў қурамында топографиялық-геодезиялық, картографиялық, топырақ, агрохимия, геоботаникалық, тарийхый-мәдений ҳәм басқа бағдарда изертлеўлер ҳәм излениўлер алып барыў нәзерде тутылады. 12-статья. Жер дүзиў жойбарын қарап шығыў ҳәм тастыйықлаў Ҳәкимшилик-аймақлық бирликлердиң шегараларын жердиң өзинде белгилеўге тийисли материаллар, сондай-ақ болжаўға мөлшерленген ҳәм жойбарлаў алдынан жер дүзиў ислерине тийисли басқа да материаллар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қарап шығылады ҳәм тастыйықланады. Хожалықлар аралық ҳәм хожалық ишиндеги жер дүзиў жойбарлары аўыл хожалығы кәрханалары, бирлеспелери ҳәм шөлкемлери мүлкиниң меншик ийелери ямаса олар ўәкиллик берген уйымлар тәрепинен қарап шығылады ҳәм қабыл етиледи, сондай-ақ мәпдар шөлкемлер менен келисиледи. Хожалықлар аралық жер дүзиў жойбарлары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланады. Юридикалық ҳәм физикалық шахсларға жер ажыратып бериў жойбарлары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, район ҳәм қала ҳәкимлери тәрепинен тастыйықланады. Аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы кәрханалары, бирлеспелери ҳәм шөлкемлериниң ишки хожалық жер дүзиў жойбарлары район ҳәкими тәрепинен тастыйықланады. Жер дүзиў жойбарларына өзгерислер усы жойбарларды тастыйықлаған уйымлардың рухсаты менен киргизиледи. Жер дүзиўди Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм де Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниӊ уйымлары мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асырады. Аўыл хожалығы егинзарларын жайластырыў, жерлерди жақсылаў ҳәм қорғаў, эрозияға қарсы ҳәм мелиорация илажларын әмелге асырыў бойынша жер дүзиў жойбарларын ислеп шығыў юридикалық ҳәм физикалық шахслардың талапнамаларына муўапық, олардың есабынан әмелге асырылыўы мүмкин. (12-статьяныӊ 5-бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 13-статья. Жер мониторинги Жер мониторинги жер қурамындағы өзгерислерди өз ўақтында анықлаў, жерлерге баҳа бериў, унамсыз процесслердиң алдын алыў ҳәм ақыбетлерин сапластырыў ушын жер қорының жағдайын бақлап турыў системасынан ибарат. Мәмлекетлик жер кадастрын жүргизиўди, жерден пайдаланыўды, жер дүзиўди, жер қорынан белгиленген мақсетте ақылға уғрас пайдаланыў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўды, жерлерди қорғаўды мағлыўматлар менен тәмийинлеў жер мониторинги тийкарында әмелге асырылады. Жер мониторингин өткериў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. 14-статья. Мәмлекетлик жер кадастры Мәмлекетлик жер кадастры жерлердиң тәбийғый, хожалық ҳәм ҳуқықый режими, олардың түрлери, сапа көрсеткишлери ҳәм баҳасы, жер участкаларының жайласқан мәнзили ҳәм өлшемлери, оларды жер ийелерине, жерден пайдаланыўшыларға, ижарашыларға ҳәм меншик ийелерине бөлистириў ҳаққындағы зәрүрли, исенимли мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлер системасынан ибарат. Мәмлекетлик жер кадастры Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик кадастрларының бирден-бир системасына кириўши мәмлекетлик ҳәм тармақлық тәбият ресурслары кадастрларының тийкары болып табылады. Мәмлекетлик жер кадастры жер қатнасықларын ретлестириў, жерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оны қорғаў, жер дүзиўди шөлкемлестириў, жер ушын төленетуғын ҳақы муғдарын тийкарлаў, хожалық жумысына баҳа бериў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәпдар юридикалық ҳәм физикалық шахсларды жер ҳаққындағы мағлыўматлар менен тәмийинлеўге арналған. Мәмлекетлик жер кадастры жерлердиң қунын анықлаў ушын тийкар болады. Мәмлекетлик жер кадастрының мағлыўматлары жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаўда, жер участкаларын бериў (реализация етиў) ҳәм оларды алып қойыўда, жер ушын төленетуғын ҳақы муғдарларын белгилеўде, жер дүзиў жумысларын өткериўде, хожалық жумысына баҳа бериўде ҳәм жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша басқа илажларды әмелге асырыўда мәжбүрий тәртипте қолланылады. Мәмлекетлик жер кадастры пүткил республика ушын бирден-бир система есабында мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм де Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниӊ уйымлары тәрепинен жүргизиледи. (14-статьяныӊ 6-бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Мәмлекетлик жер кадастрын жүргизиў топография-геодезия, картография, топырақ, агрохимия, геоботаника бағдарлары ҳәм басқа да бағдарларда излениў ҳәм изертлеўлер алып барыў, жерлердиң есабын жүргизиў ҳәм оларға баҳа бериў, жер ийелериниң, жерден пайдаланыўшылардың, ижарашылардың ҳәм меншик ийелериниң участкаларына болған ҳуқықларын дизимге алыў менен тәмийинленеди. Мәмлекетлик жер кадастрын жүргизиў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди.IV-БАП. Жерге болған меншиклик. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкаларына болған ҳуқықлары
15-статья. Қарақалпақстан Республикасында жерге болған меншиклик Жер улыўма миллий байлық болып есапланады, оннан ақылға уғрас пайдаланыў зәрүр ҳәм ол мәмлекет тәрепинен қорғалады. (15-статьяныӊ текстине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 16-статья. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкасына болған ҳуқықлары Юридикалық шахслар усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық актлерине муўапық меншик, турақлы пайдаланыў ҳәм ижараға алыў ҳуқықы тийкарында жер участкаларына ийе болыўы мүмкин. Физикалық шахслар ушын усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық актлерине муўапық меншик ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында жер участкаларына ийе болыўы мүмкин. Сырт елли пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар, сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханалар жер участкаларына тек ғана ижара ҳуқықы тийкарында ийе болыўы мүмкин, усы Нызамныӊ 17-статьясыныӊ екинши ҳәм үшинши бөлимлеринде ҳәм Өзбекстан Республикасыныӊ халықаралық шәртнамаларында нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардыӊ 2021-жыл 1-август күнине шекем жер участкаларына пайда болған турақлы ийелик етиў, мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, турақлы пайдаланыў ҳәм мүддетли (ўақытша) пайдаланыў ҳуқықлары өз күшинде қалады, жер участкасына болған ҳуқықлар усы Нызамныӊ 35-статьясына муўапык бийкар етилген жағдайлар буннан тысқары. Юридикалық ҳәм физикалық шахслар аўыл хожалығына мөлшерленбеген, өзине турақлы пайдаланыў (ийелик етиў) яки мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында тийисли болған жер участкаларын аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққындағы нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларда меншиклестириўге ҳақылы. (16-статьяныӊ текстине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 17-статья. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкаларына меншик ҳуқықының жүзеге келиўи Юридикалық ҳәм физикалық шахслардыӊ жер участкаларына болған меншик ҳуқықы аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары меншиклестирилгенде, нызамшылықта белгиленген тәртипте пайда болады. (17-статьяныӊ 1-бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Дипломатиялық ўәкилханалар ҳәм оларға теңлестирилген, Өзбекстан Республикасында аккредитацияланған халық аралық шөлкемлердиң жер участкаларына меншик ҳуқықы оларға өзлери ўәкилхана сыпатында пайдаланып атырған имарат яки имараттың бир бөлеги, соның ишинде ўәкилхана баслығының резиденциясы олар жайласқан жер участкалары менен бирге, сондай-ақ усы ўәкилханалардың имаратларын қурыў ушын жер участкалары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте реализация етилгенде жүзеге келеди. Сырт еллик юридикалық ҳәм физикалық шахслардың-дипломатиялық корпус хызметкерлериниң Өзбекстан Республикасында аккредитацияланған ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң, фирмалар, компаниялар ҳәм халықаралық шөлкемлердиң турақлы ўәкилханалары хызметкерлериниң, шет ел инвестициясы қатнасындағы кәрханаларда турақлы түрде ислеўши шахслардың, сондай-ақ республикада турақлы түрде жасаўшы ҳәм жасаў ушын гүўалығы болған шахслардың жер участкаларына болған меншик ҳуқықы оларға турақ-жай имаратлары, сол имаратлар жайласқан жер участкалары менен бирге нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте реализация етилгенде жүзеге келеди. 18-статья. (18-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өз күшин жойытқан) 19-статья. Жер участкаларынан турақлы пайдаланыў ҳуқықы Жер участкалары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кенесиниӊ қарарына тийкар мәмлекетлик уйымларына, пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымларына мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәжликлери ушын турақлы пайдаланыўға бериледи. Жерлердиӊ мөлшерленген тийкарғы мақсетлерине муўапық: жайлаў менен бәнт болған жерлер; санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа мақсетлерге мөлшерленген жерлер - көрсетилген мақсетлерде пайдаланыў ушын юридикалық шахсларға берилген жерлер; тәбийятты қорғаў, саламатластырыў ҳәм рекреация мақсетлерине мөлшерленген жерлер; тарийхый-мәдений әхмийетке ийе жерлер; тоғай фонды жерлери; суў фонды жерлери; нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларда, жер фондыныӊ басқа категориядағы жерлери пайдаланыўға берилиўи мүмкин. Көп квартиралы үй жайласқан жер участкасы, сондай-ақ көп квартиралы үйге тутас жер участкасы, егер ол көп квартиралы үйдеги жайлардыӊ меншик ийелерине басқаша тәризде тийисли болмаса, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси тәрепинен усы меншик ийелерине турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында улыўма пайдаланыўға бериледи. Егер участкадан турақлы пайдаланыў ҳуқықы белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи лазым. (19-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы редакциясы тийкарында) 20-статья. Биргеликте ийелик етилетуғын ямаса пайдаланылатуғын жер участкалары Жер участкасын усы Нызамның 9-статьясының 5-бөлимине тийкарланып бөлиўдиң имканияты болмаса, бундай жер бир неше юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен биргеликте ийелик ететуғын ҳәм пайдаланатуғын жер участкасы деп тән алынады, бул жағдай жер участкаларына турақлы ийелик етиў ҳуқықы яки оннан турақлы пайдаланыў ҳуқықын тастыйықлаўшы мәмлекетлик ҳүжжетлерде көрсетиледи. 21-статья. Жер участкасына болған ҳуқықтыӊ басқа шахсқа өтиўи Кәрхана, имарат, қурылма яки басқа көшпес мүлкке болған меншик ҳуқықы, хожалық жүргизиў ҳуқықы яки оператив басқарыў ҳуқықы басқа шахсқа өткен жағдайда, усы объектлер менен биргеликте бул объектлер жайласқан ҳәм олардан пайдаланыў ушын зәрүр болған жер участкасына турақлы ийелик етиў, мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, оннан турақлы пайдаланыў ҳәм ижара ҳуқықы да өтеди. Турақ-жайға, шарбаққа болған меншик ҳуқықы (сатып алыў, саўға етиў, оны мийрас бойынша алыў ҳәм басқа жағдайларда) физикалық шахсларға өткен жағдайда, усы имаратларға болған меншик ҳуқықы менен биргеликте бул имаратлар жайласқан барлық жер участкасына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы да өтеди. Кәрхана, имарат, қурылма яки басқа көшпес мүлк жайласқан жер участкасына ийелик етиў, мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, оннан турақлы пайдаланыў ҳәм ижара ҳуқықының басқа шахсқа өтиўи меншик ийелериниң яки олар ўәкиллик берген уйымлар ҳәм шахслардың тийисли шәртнамалары, қарарлары тийкарында район, қала жер кадастры китабына жердиң жаңа ийеси яки жерден жаңа пайдаланыўшы ямаса жаӊа ижараға алыўшы ҳаққындағы мағлыўматларды киргизиў ҳәм де жер участкасына турақлы ийелик етиў, оннан турақлы пайдаланыў, ижара (ижара шәртнамасыныӊ әмел етиў мүддетине) яки жер участкасына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықын белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткериў жолы менен рәсмийлестириледи. Кәрхананың, имараттың, қурылманың яки басқа көшпес мүлктиң бир бөлегине тийисли меншик ҳуқықы, хожалық жүргизиў ҳуқықы, оператив басқарыў ҳуқықы жаңа меншик ийесине яки басқа ҳуқықлардың ийесине өткен жағдайда, оған жер участкасының, кәрхананың, имараттың, қурылманың ямаса басқа көшпес мүлктиң үлесине ылайық болған бөлегине турақлы ийелик етиў, мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, оннан турақлы пайдаланыў ҳәм ижара ҳуқықы да өтеди, жер участкасын бундай ажыратыў мүмкин болмаған жағдайларда, сондай-ақ усы статьяның үшинши бөлиминде нәзерде тутылған мәселелер бойынша келиспеўшиликлер болғанда жер участкасының бөлиниўи Өзбекстан Республикасы Салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниӊ Мәмлекетлик кадастрлары палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен әмелге асырылып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ қарары менен тастыйықланады ҳәм буннан соң жер участкасына болған меншик ҳуқықы, оннан турақлы пайдаланыў ҳәм ижара ҳуқықы мәмлекетлик дизимге алынады ҳәм де мәмлекетлик дизимге алыў тийисли дизимге алыў ҳаққындағы тийисли көширмелер бериледи. (21-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы редакциясы тийкарында) 22-статья. Жер участкаларын бериў (реализация етиў) Жер участкаларын меншикке бериў (реализация етиў), турақлы пайдаланыў ушын ҳәм ижараға бериў жер ажыратыў тәртибинде әмелге асырылады. (22-статьяныӊ 1-бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жер участкаларын бериў (реализация етиў) төмендеги тәртипте әмелге асырылады: 1) меншикке бериў (реализация етиў) — аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық, сондай-ақ, жеке тәртипте үй-жай қурыў ҳәмде үй-жайды абаданластырыў, исбилерменлик ҳәм қаласазлық жумысын әмелге асырыў ушын электрон онлайн-аукцион қуралында; 2) турақлы пайдаланыўға бериў – усы Нызамныӊ 19-статьясында нәзерде тутылған жағдайларда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси тәрепинен; 3) ижараға бериў – Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси тәрепинен, сондай-ақ электрон онлайн-аукцион қуралында. (22-статьяныӊ 2-бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Ийелик етиўдеги, пайдаланыўдағы, ижарадағы ҳәм меншикке берилген жер участкасын бериў (реализация етиў) усы Нызамда белгиленген тәртипте тек ғана усы жер участкасы белгиленген тәртипте қайтарып алып қойылғаннан (сатып алынғанынан) ҳәм мүлк сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин әмелге асырылады. (22-статьяныӊ 3-бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Санаат кәрханалары, темир жоллар ҳәм автомобиль жоллары, байланыс ҳәм электр өткериў линиялары, магистрал трубопроводлар қурыў ушын, сондай-ақ аўыл хожалығы менен байланыслы болмаған басқа зәрүрликлер ушын аўыл хожалығына арналмаған жерлер ямаса аўыл хожалығы ушын жарамсыз болған жерлер яки аўыл хожалығының сапасы төмен жерлери бериледи. (реализация етиледи) Тоғай қорына қараслы жерлерден бундай мақсетлер ушын жер участкаларын бериў (реализация етиў) тийкарынан тоғай менен қапланбаған майданлар яки путазарлар ҳәм баҳалы болмаған терекзарлар менен қапланған майданлар есабынан әмелге асырылады. Берилген (реализация етилген) жер участкасының шегараларын тийисли Өзбекстан Республикасы Салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниӊ Мәмлекетлик кадастрлары палатасы натурада (жердиң өзинде) белгилегенге шекем ҳәм жер участкасына болған ҳуқықты тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер берилгенге дейин бул жер участкасына ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыўға кирисиў қадаған етиледи. (22-статьяныӊ 5-бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жер участкаларын меншикке бериў (реализация етиў), олардан турақлы пайдаланыў ҳәм оларды ижараға бериў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. (22-статьяныӊ 6-бөлими Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы редакциясы тийкарында) 23-статья. Жер участкасы ижарасы Жер участкасының ижарасы жер участкасына ижара шәртнамасы шәртлеринде мүддетли, ҳақы төлеў есабына ийелик етиў ҳәм пайдаланыўдан ибарат. Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары төмендегилерге ижара ҳуқықы тийкарында бериледи: Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ ашық электрон таңлаў нәтийжелерин тастыйықлаў ҳаққындағы қарары менен – физикалық ҳәм юридикалық шахсларға; Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен: Аўыл хожалығы саласында илимий-изертлеў ҳәм тәжрийбе-сынаў жумысларын әмелге асырыў ушын Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниӊ усынысына муўапық – мәмлекетлик илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелерине; жер участкасы нормативлик бахасыныӊ еки есесинен артық муғдардағы пул қаржылары депозитке қойылған жағдайда Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ усынысына муўапық - агросанаат кластерлерине; баҳасы кеминде 10 миллион АҚШ доллары эквивалентинде болған, еӊ жақсы усынысты таӊлап алыў жолы менен анықланатуғын ири инвестиция жойбарын әмелге асырыўшы физикалық ҳәм юридикалық шахсларға бериледи. Бунда берилетуғын жер участкасыныӊ өлшеми инвестиция көлемине қарап Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары төмендегилерге ижара тийкарында бериледи: электрон онлайн-аукцион тийкарында - физикалық ҳәм юридикалық шахсларға; Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен баҳасы кеминде 10 миллион АҚШ доллары эквивалентинде болған, еӊ жақсы усынысты таӊлап алыў жолы менен анықланатуғын ири инвестиция жойбарын әмелге асырыўшы физикалық ҳәм юридикалық шахсларға бериледи. Бунда берилип атырған жер участкасыныӊ өлшеми инвестиция көлемине қарап Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. Сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханаларға, халықаралық бирлеспелер ҳәм шөлкемлерге, сырт ел физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жер участкалары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен ижараға бериледи. Усы шахслар (халықаралық бирлеспелер ҳәм шөлкемлер буннан тысқары) жер участкасын ижараға алыў ҳуқықыныӊ Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын муғдардағы базар баҳасындағы Өзбекстан Республикасыныӊ Мәмлекетлик бюджетине төлениўи керек. Усы статьяныӊ екинши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлеринде нәзерде тутылған жағдайларда жер участкаларыныӊ ижарасына байланыслы шәртнама район (қала) ҳәкими менен дүзиледи. Аўыл хожалығы кәрханалары, мәкемелери ҳәм шөлкемлери жер участкаларын ишки хожалық ижарасы тәртибинде тек ғана аўыл хожалығы ислеп шығарыў ушын ижарашыларға бириктирип қойыўы мүмкин. Ижараға берилген жер участкасын яки оныӊ бир бөлегин екилемши ижараға бериў қадаған етиледи, усы Нызамыныӊ 242-статьясында нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. Ижараға берилген жер участкалары алды-сатты, саўға, алмастырыў объекти болыўы мүмкин емес. Жер участкасын ижараға алыў ҳуқықы тек ғана кредитлер алыў ушын гиреўге қойылыўы мүмкин. Ижарашы тек ғана нызамда яки ижара шәртнамасында нәзерде тутылған жағдайларда ғана жер участкасына болған өз ижара ҳуқықларын ижараға бериўшиниӊ разылығысыз гиреўге қойыўға ҳақылы. Жер участкалары ижарасыныӊ шәртлери ҳәм мүддетлери тәреплердиӊ келисимине муўапық белгиленеди ҳәм де шәртнамада беккемленеди. Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер усы Нызамныӊ 441-статьясында белгиленген өлшемлерде отыз жыл мүддетке ижараға бериледи. Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерди ижараға бериў мүддети жүз жылдан артық болыўы мүмкин емес. Сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханаларға, халықаралық бирлеспелер ҳәм шөлкемлерге, сырт ел физикалық ҳәм юридикалық шахсларына жер участкаларын жигирма бес жылға шекем болған мүддетке ижараға бериледи. Ижарашы жер участкалары ижара шәртнамасының ҳәрекет етиў мүддети тамамланғаннан кейин шәртнаманы жаңалаўда басқа тең шараятларда үстем ҳуқыққа ийе. Жер участкаларын ижараға алғанлық ушын ҳақы төлеў тәртиби ҳәм оның муғдары ижара шәртнамасында нызам ҳүжжетлерине муўапық белгиленеди. Жер участкаларын ижараға алыў шәртнамасын мүддетинен алдын бийкар етиў шахслардың келисиўи менен, бундай келисиўге ерисилмеген жағдайда болса, судтың шешиўши қарары менен әмелге асырылады. Жер участкаларын ижараға бериў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. (22-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы редакциясы тийкарында) 231-статъя. Турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында берилген жер участкаларының ижарасы Мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм шөлкемлерине турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ҳәм тоғай фонды жерлери инвестиция шәртнамасы яки мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында ижараға берилиўи мүмкин. Буған төмендеги жерлер үш жылдан кем болмаған ҳәм қырқ тоғыз жылдан аспайтуғын мүддетке ижараға берилиўи мүмкин: аўыл хожалығы оборотынан шығып кеткен суўғарылатуғын жерлер ҳәм қарызғар жерлер - Өзбекстен Республикасы пуқараларына ҳәм де аўыл хожалығы кәрханаларына; тоғай фондының пайдаланбайтуғын жерлери - физикалық ҳәм юридикалық шахсларға. Бул статъяның биринши бөлиминиң биринши абзацында нәзерде тутылған жағдайларда, жайлаўлар, боз жерлер, көп жыллық тереклер Өзбекстан Республикасы пуқараларына, аўыл хожалығы кәрханаларына, сондай-ақ Өзбекстен Республикасы резидентлери болған инвесторларға отыз жыл мүддетке, усы Нызамныӊ 461-статясында белгиленген өлшемлерде ижараға берилиўи мүмкин. Мәмлекетлик уйымларына, мәкемелерине ҳәм кәрханаларына турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында берилген аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер: мәмлекетлик-жеке шериклик жойбарларын әмелге асырыў ушын мәмлекетлик-жеке шериклик ҳаққындағы келисимниӊ әмел етиў мүддетине - жеке шерикке; социаллық пайдалы мақсетлерге ерисиўге қаратылған жойбарларды әмелге асырыў ушын социаллық шериклик ҳаққындағы келисимлер ҳәм шәртнамалардың әмел етиў мүддетине — мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге ҳәм пуқаралық жәмийетиниӊ басқа институтларына; мәмлекет ҳәм жамийет мүтәжликлери ушын басқа юридикалық шахсларға ижараға берилиўи мүмкин. Усы статьяныӊ үшинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайларда жер участкаларын ижараға бериў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. (231-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы редакциясы тийкарында) 232-статья. Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди екилемши ижараға бериў Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер аўыл хожалығы өнимин жетистириў мақсетинде юридикалық ҳәм физикалық шахсларға екилемши ижараға берилиўи (оларды үшинши шахсларға бериў ҳуқықысыз) мүмкин. Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасы бир жылға шекем болған мүддетке екилемши ижараға берилиўи мүмкин, усы статьяныӊ үшинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. Пайдаланыўға киритилген аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын екилемши ижараға бериў шәртнамасының мүддети усы Нызамныӊ 231-статясында назарда тутылған жағдайларда, тәреплердиӊ келисимине муўапық белгиленеди ҳәм ол аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын ижараға бериў шәртнамасы мүддетинен артық болыўы мүмкин емес. Екилемши ижараға берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасы алды-сатты, гиреў, саўға, алмастырыў объекти болыўы мүмкин емес. Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын екилемши ижараға бериў шәртлери ҳәм мүддетлери тәреплердиӊ келисимине муўапық белгиленеди ҳәм де шәртнама менен беккемленеди. Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди екилемши ижараға бергенлик ушын пул өндириў тәртиби ҳәм муғдарлары нызамшылыққа муўапық екилемши ижара шәртнамасында белгиленеди. Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын екилемши ижараға бериў шәртнамасы нызамшылықта нәзерде тутылған тәртипте мәмлекетлик дизиминен өткерилиўи лазым. Егер аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын ижараға бериў шәртнамасында басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, усы шәртнаманы мүддетинен бурын бийкарлаў аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын екилемши ижараға бериў шәртнамасының бийкар етилиўине себеп болады. Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын екилемши ижараға бериў шәртнамасын мүддетинен бурын бийкарлаў тәреплердиӊ келисимине муўапық, бундай келисимге ерисилмеген жағдайда болса судтыӊ қарарына муўапық әмелге асырылады. Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын екилемши ижараға бериў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. (232-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы редакциясы тийкарында) 233-статья. Жер участкасын оған болған мийрас етип қалдырылатуғын өмирликке ийелик етиў, ижара ямаса меншик ҳуқықын сақлап қалған ҳалда ўақытша пайдаланыўға бериў Дийҳан хожалықлары ҳәм жеке қыйтақ жер участкалары ийелери өзине мийрас етип қалдырылатуғын өмирликке ийелик етиў, ижара ямаса меншик ҳуқықы тийкарында тийисли болған жер участкаларын ямаса олардыӊ бир бөлегин аўыл хожалығы өнимин жетистириў мақсетинде физикалық ҳәм юридикалық шахсларға ўақытша пайдаланыўға бериўи мүмкин. Жер участкасынан ўақытша пайдаланыў тәртиби тәреплердиӊ келисими тийкарында белгиленеди. Бунда дийҳан хожалықлары ҳәм жеке қыйтақ жер участкалары ийелериниң усы жер участкаларына болған ҳуқықы сақланып қалады. (233-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы редакциясы тийкарында) 234-статья. Жер участкасына болған ижара ҳуқықын мәмлекетлик дизимнен өткериў Жер участкасына болған ижара ҳуқықын мәмлекетлик дизимнен өткериў район (қала) ҳәкими ҳәм ижараға алыўшы ортасында дүзилген жер участкасының ижарасына тийисли шәртнама тийкарында, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлар палатасы тәрепинен белгиленген тәртипте электрон мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады. Мәмлекетлик дизимнен өткерилген жер участкалары ҳаққындағы мағлыўматлар белгиленген тәртипте ашық ҳалда жәрияланады. (234-статьясы Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы редакциясы тийкарында) 24-статья. Жер участкаларынан қыдырыў жумыслары ушын пайдаланыў Геология-сүўретке алыў, геодезия ҳәм басқа да қыдырыў жумысларын әмелге асырыўшы кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер бул ислерди белгиленген тәртипте қабыл етилген қарарлар ҳәм дүзилген шәртнамалар тийкарында барлық түрдеги жерлерде жер ийелеринен, жерден пайдаланыўшылардан, ижарашылардан ҳәм меншик ийелеринен, жер участкаларын алып қоймаған жағдайда әмелге асырыўы мүмкин. Суўғарылатуғын, сүрилетуғын жерлерде, бағларда, жүзимзарларда, тутзарларда, мийўазарларда түптен жақсылаў жумыслары әмелге асырылған пишензарлар ҳәм жайлаўларда, тоғай өсимликлери менен қапланған жерлерде қыдырыў жумысларын әмелге асырыў ушын рухсатнаманы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, басқа жерлерде болса, район ҳәм қала ҳәкимлери бир жылдан артық болмаған мүддетке береди, зәрүр жағдайда бул мүддетти узағы менен және бир жылға узайттырыўға жол қойылады. (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Тәбиятты қорғаў, саламатландырыў, рекреация мақсетлерине арналған жерлерде ҳәм тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлерде қыдырыў жумысларын әмелге асырыў ушын рухсатнама нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәкилликли уйымлар тәрепинен бериледи. (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Қыдырыў жумысларын алып барыўшы кәрханалар, бирлеспелер ҳәм шөлкемлер жумыс ўақтында бузылған жер участкаларын белгиленген мақсетлерде пайдаланыў ушын өз есапларынан жарамлы ҳалатқа келтириўи ҳәм жер ийелерине, жерден пайдаланыўшыларға, жер участкасының ижарашыларына ҳәм меншик ийелерине тапсырыўы, жерлер, егинзарлар, тереклер, тоғайлар, суўлар ҳәм басқа да тәбият субъектлериниң, трубопроводлар, канализация, мелиорация тармақлары ҳәм басқа қурылмалардың жарамлы ҳалда сақланыўын тәмийинлеў шараларын көриўи, сондай-ақ жер участкаларын ўақытша ийелеп турыўына байланыслы жер ийелерине, жерден пайдаланыўшыларға, жер участкасының ижарашыларына ҳәм меншик ийелерине келтирилген зыянды (соның ишинде алынбаған пайданы) өтеўи шәрт. 25-статья. Жер участкаларынан имарат қурыў ушын пайдаланыў Жер участкаларын (сүрилетуғын жерлер буған кирмейди) турақлы ийелик етиўге ҳәм пайдаланыўға, мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиўге, узақ мүддетли ўақытша пайдаланыўға, ижараға ҳәм меншик етип алған юридикалық ҳәм физикалық шахслар нызам ҳүжжетлерине муўапық жер участкасын сақлаў ўазыйпасына тийисли мәжбүриятлар орынланған жағдайда өзлери алған кәрханалар, имаратлар, қурылмаларды белгиленген тәртипте қурыў, бузыў яки реконструкция етиўге ҳақылы. 26-статъя. Өзбекстан Республикасы пуқараларына жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў ушын жер участкаларын реализация етиў Өзбекстан Республикасы пуқараларына жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў ушын 0,04 гектарға шекем жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы меншик ҳуқықы тийкарында реализация етиледи. Жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў ушын жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы реализация етиўде жер участкаларын инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаў шәртлери нәзерде тутылыўы керек. (26-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы редакциясы тийкарында) 27-статья. Жер ушын ҳақы төлеў Қарақалпақстан Республикасында жерден пайдаланғанлық ушын ҳақы төленеди. Өз ийелигинде ҳәм пайдаланыўында және меншигинде жер участкалары болған юридикалық ҳәм физикалық шахслар жер ушын ҳақы төлейди. Жер ушын ҳақы ҳәр жылы төленетуғын жер салығы есабында алынады, оның муғдары жер участкасының сапасына, жайласыўына ҳәм суў менен тәмийинлениў дәрежесине қарап белгиленеди. Жер салығының ставкалары, оны есаплаў ҳәм төлеў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. Жер участкалары ижараға берилгенде жер ушын ҳақы ижара ҳақы түринде алынады. Ижара ҳақы жер салығына теңлестириледи. Жер участкаларын ижараға алған шахслар жер ушын ижара ҳақысын жер салығын төлеўшилер ушын белгиленген тәртипке муўапық бюджетке төлейди. (ҚР ЖК 25.04.2009-ж. 240/III-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген). 28-статья. Жер участкасын сақлаў ўазыйпасы Ийелик етиўге, пайдаланыўға, ижараға берилген яки басқа тийкарларға муўапық алынған жер участкасын сақлаў ўазыйпасы нызам ҳүжжетлерине муўапық төмендеги миннетлер менен тәмийинлениўи мүмкин; жер участкасын сатыў ямаса өзгеше тәризде басқаларға өткериўди қадаған етиў; жер участкасын екилемши ижараға жәрдемши кесип алыўды, усы Нызамның 48-статьясының 10-бөлиминде нәзерде тутылған жағдайда болса, ижараға бериўди қадаған етиў; жер участкасынан тийкарғы пайдаланыў мақсетин өзгертиўди қадаған етиў; жумыстың айырым түрлерин қадаған етиў; белгиленген тәртипте келисиўсиз көшпес мүлктиң сыртқы көринисин өзгертиўди, имарат, қурылманы реконструкция етиў яки бузыўды қадаған етиў; жер өнимдарлығын сақлаў ҳәм арттырыў, ирригация ҳәм мелиорация системаларын саз жағдайында сақлаў илажларын әмелге асырыў; жер участкасында қурылыс жүргизиў яки оны өзлестириўди белгиленген мүддетлер ишинде баслаў ҳәм дүзетиў; тәбиятты қорғаў талапларын сақлаў яки белгиленген жумысларды орынлаў, соның ишинде жер участкасындағы топырақ қатламын, жоқ болып баратырған өсимликлерди, мәмлекетлик тәбият естеликлерин, сондай-ақ, материаллық мәдений мийрас объектлерин сақлаў; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) жер участкасын сақлаў ўазыйпасы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген басқа мәжбүриятлар, шеклеўлер яки шәртлер менен тәмийинлениўи мүмкин. Жер участкасын сақлаў ўазыйпасы шәртлери оның ҳуқықый статусына киргизилип, мәмлекетлик дизимге алыныўы тийис ҳәм ол жер участкасы басқа шахсқа өткенде сақлап қалынады. Жер участкасын сақлаў ўазыйпасының тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 29-статья. Өзгениң жер участкасынан шекленген тәризде пайдаланыў ҳуқықы (сервитут) Өзгениң жер участкасынан шекленген тәризде пайдаланыў ҳуқықы (сервитут) қоңсылас болған бир ямаса бир неше жер участкаларынан шекленген тәризде пайдаланыў ҳуқықы болып табылады. Сервитут төмендеги мақсетлерде белгилениўи мүмкин; өзгениң жер участкасы арқалы пияда яки транспортта өтиў; өзгениң жер участкаларында дренаж жумысларын жүргизиў; өзгениң жер участкасынан электр узатыў, байланыс линиялары, трубопроводлар, ирригация, инженерлик ҳәм басқа да линиялар және тармақларды өткериў ҳәм олардан пайдаланыў; өзгениң жер участкасынан егинлер ҳәм малларды суўғарыў ушын суў алыў; малларды өзгениң жер участкасы арқалы айдап өтиў; өзгениң жер участкасынан қыдырыў, изертлеў ҳәм басқа жумысларды әмелге асырыў ушын ўақытша пайдаланыў; өзгениң жер участкасында атыз қорғаў тереклерин егиў ҳәм басқа да тәбиятты қорғаў объектлерин пайда етиў. Сервитут басқа мақсетлерге де белгилениўи мүмкин. Сервитут, оны белгилеўди талап еткен шахслар менен өзге жер участкасының ийелик етиўшиси, пайдаланыўшысы, ижарашысы ҳәм меншик ийеси ортасындағы келисимге муўапық, келисимге ерисилмеген жағдайда болса, судтың қарарына муўапық белгиленеди. Сервитут ҳаққындағы келисим мәмлекетлик дизимге алыныўы тийис ҳәм ол жер участкасы басқа шахсқа өткен ўақытта сақланып қалады. Сервитут ҳаққындағы келисим, оны белгилеў себеп болған тийкарлар сапластырылса бийкар етилиўи мүмкин. 30-статья. Жер участкасына болған ҳуқықтың жүзеге келиўи. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкасына болған ҳуқықы орынларда шегаралар белгиленгеннен кейин, жер участкаларының планлары (сызылмалары) ҳәм шегараларының жазба тәрийплери дүзилип, жер участкаларына болған ҳуқық мәмлекетлик дизимге алынғаннан кейин жүзеге келеди. 31-статья. Жер участкасының планы. Жер участкасының шегараларын жердиң өзинде белгилеў Жер участкасының планы - ең соңғы жер дүзиў жойбарына муўапық соңғы мәрте сүўретке алыў ҳалындағы пүткил жағдай ҳәм рельеф қабыл етилген шәртли белгилерге сәйкес толық көрсетилген усы жер участкасының топографиялық планы. Жер участкасының шегараларын сол жердиӊ өзинде ҳәм карталарда дәслепки тәризде белгилеў ажыратып бериў ушын жер участкасы танланған ўақытта оны бериў ҳаққындағы қарар қабыл етилгенге шекем әмелге асырылады. (31-статьяныӊ 2-бөлими Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына тийкар толықтырылған) Жер участкасының планы ҳәм шегараларының жазба тәрийпин дүзиў, сол жердиң өзинде оның шегараларын белгилеў ислери Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлар палатасы бөлимлери тәрепинен орынланады ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен тастыйықланады. (31-статьяға Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жер участкасының тастыйықланған планы жер участкасына болған ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң ажыралмас бөлеги болып қалады. Жер участкалары планларының түп нусқасы кадастр исине тийисли ҳүжжетлер арасында сақланады, нусқалары болса жер участкасын алыўшыға бериледи. Жер участкасының планы ҳәм шегараларының жазба тәрийпин таярлаў, шегаралық белгилерин орнатыў, егер нызам ҳүжжетлеринде басқаша қағыйда белгиленген болмаса, жер участкасын алыўшының қаржылары есабынан әмелге асырылады. 32-статья. Жер участкасына болған ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳүжжетлер Жер участкасына турақлы ийелик етиў ҳуқықын бериўши мәмлекетлик ҳүжжет, Жер участкасынан турақлы пайдаланыў ҳуқықын бериўши мәмлекетлик ҳүжжет, Жер участкасына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықын бериўши мәмлекетлик ҳүжжет, Жер участкасына болған меншик ҳуқықын бериўши мәмлекетлик ордер, Жер участкасы ижарасы шәртнамасы яки Жер участкасынан мүддетли пайдаланыў шәртнамасы, Жер участкасына болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимге алыў ҳаққындағы гүўалық-жер участкасына болған ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болып табылады. Бул ҳүжжетлерде жер участкасы қайсы ҳуқыққа тийкарланып берилип атырғанлығы, жер участкасынан пайдаланыўдың белгиленген мақсети, оны өзлестириў мүддетлери, жер участкасын сақлаў ўақзыйпалары ҳәм сервитутлар көрсетиледи. 33-статья. (33-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өз күшин жойытқан) 34-статья. Жер участкаларына болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимге алыў Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкаларына болған ҳуқықлары мәмлекетлик дизимге алыныўы керек. Жер участкаларына болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимге алыў жер участкалары жайласқан жерде әмелге асырылады. Мәмлекетлик реестрге төмендегилер киреди: 1) жер участкасына болған ҳуқықты алған шахс ҳаққындағы мағлыўматлар; 2) жер участкасының көриниси (жерлердиң категориясы, пайдаланыў мақсети, жер түри, майданы, биргеликте ийелик етиў ямаса пайдаланыў үлеси, шегаралары, кадастр тәртип саны ҳәм басқа да тәрийплери; 3) жер участкасын бериў ҳаққындағы шәртнама талапларына, жер участкасын сақлаў ўазыйпалары ҳәм сервитутларға тийисли мағлыўматлар; 4) жер участкасын мәмлекетлик яки жәмийетлик зәрүрликлер ушын ажыратып алыў зонасына киргизиў ҳаққындағы ўәкилликли уйымлардың қарарлары; 5) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген басқа мағлыўматлар. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкаларына болған ҳуқықларын мәмлекетлик дизимге алыў жер участкаларына болған ҳуқықлар ҳаққындағы зәрүр ҳүжжетлер ҳәм қосымша етилген арза келип түскен пайыттан баслап он күнлик мүддетте тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен әмелге асырылады, нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди.Жер участкаларына болған ҳуқықлар мәмлекетлик дизимге алынғаны ҳаққында дизимге алынған сәне ҳәм тәртип саны көрсетилген гүўалық бериледи. Жер участкасына болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимге алыўдан бас тартыў ушын төмендегилер тийкар болады; мәмлекетлик дизимге алыў уйымында усы жер участкасы кимге тийисли екенлиги ҳаққында тартыс барлығынан дерек бериўши ҳүжжетлердиң бар болыўы; мәмлекетлик дизимге алыў уйымында усы жер участкасы нызамда белгиленген тәртипте алып қойылғанлығы ҳаққында мағлыўматлардың бар болыўы; жер участкаларына болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимге алыў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 35-статья Жер участкаларына болған ҳуқықлардың бийкар етилиўи Пүткил жер участкасына яки оның бир бөлегине ийелик етиў ҳуқықы, оннан турақлы яки мүддетли пайдаланыў ҳуқықы төмендеги жағдайларда бийкар етиледи: 1) жер участкасынан ықтыярлы бас тартқанда; 2) жер участкасы берилген мүддет тамамланғанда; 3) юридикалық шахс сапластырылғанда; 4) (35-статьяныӊ 1-бөлими 4-бәнти Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында алып тасланған) 5) хызметте пайдаланыў ушын шек жер берип қойыўға тийкар болған мийнетке байланыслы қатнасықлар бийкар болғанда, егер нызам ҳүжжетлеринде басқаша жағдай нәзерде тутылған болмаса; 6) жер участкасынан белгиленгеннен басқа мақсетлерде пайдаланғанда; 7) жер участкасынан ақылға уғрас пайдаланылмағанда, яғный бул аўыл хожалығына арналған жерлер ушын өнимдарлық дәрежеси үш жыл даўамында нормативтен (кадастр баҳасына муўапық) пәс болыўы; 8) жер участкасынан топырақ өнимдарлығы пәсейиўине, оның химиялық ҳәм радиоактив затлар менен патасланыўына, экологиялық жағдайдың жаманласыўына алып келетуғын усыллар менен пайдаланылған жағдайда; 9) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мүддетлерде жер салығы, сондай-ақ ижараға алыў шәртнамасында белгиленген мүддетлерде ижара ҳақы турақлы төленбей келгенде; 10) аўыл хожалығы зәрүрликлери ушын берип қойылған жер участкасынан бир жыл даўамында ҳәм аўыл хожалығы саласына тийисли болмаған зәрүрликлер ушын берип қойылған жер участкасынан еки жыл даўамында пайдаланылмағанда. 11) мийрас етип қалдырылатуғын өмирликке ийелик етиў ҳуқықын бериўши ордер «ким зыят» саўдасы тийкарында сатып алынғаннан кейин жер участкасынан еки жыл даўамында пайдаланылмағанда, жер участкасына мийрас етип қалдырылатуғын өмирликке ийелик етиў ҳуқықы гиреўде болған жағдайда болса, гиреў шәртнамасы мүддети даўамында пайдаланылмағанда. Пайдаланылмай атырған жер участкалары алдыңғы ийелеринен олар төлеген баҳасы қапланған ҳалда алып қойылады; 12) фермер, дийқан хожалығы ҳәм қыйтақ жер ийелери районлық Кеңеслериниң қарарына муўапық фермер ямаса дийқан хожалығының Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесине ағзалығы тоқтатылғанда; 13) жер участкасы усы нызамда нәзерде тутылған тәртипте алып қойылғанында. (29.06.2019-ж. 258/XXVI санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Нызам ҳүжжетлеринде жер участкаларына ийелик етиў ҳуқықы, жер участкаларынан турақлы пайдаланыў ҳуқықы ҳәм жер участкаларын ижараға алыў ҳуқықын бийкар етиўдиң басқа жағдайлары да нәзерде тутылыўы мүмкин. Жер участкаларына болған меншик ҳуқықы белгиленген тәртипте төмендеги жағдайларда бийкар етиледи: 1) саўда ҳәм хызмет көрсетиў саласы объектлери, сондай-ақ турақ-жай имаратлары ҳәм басқа имаратлар яки имаратлардың бир бөлеги усы имарат жайласқан жер участкалары менен бирге сатылғанда; 2) мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын саўда ҳәм хызмет көрсетиў саласы объектлери, сондай-ақ турақ-жай имаратлары ҳәм басқа имаратлар яки имаратлардың бир бөлеги олар жайласқан жер участкалары менен бирге қайта сатып алынғанда; 3) нызамда белгиленген жағдайларда саўда ҳәм хызмет көрсетиў саласы объектлери, сондай-ақ турақ жай имаратлары ҳәм басқа да имаратлар яки имаратлардың бир бөлеги олар жайласқан жер участкалары менен бирге конфискация етилгенде; 4) Орынлаў ҳүжжетлери бойынша өндириў жер участкасына қаратылғанда. (ҚР ЖК 22.05.2010-ж. 31/II-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) Жер участкасына ийелик етиў ҳуқықын яки жер участкасынан турақлы яки ўақытша пайдаланыў ҳуқықын усы статьяның биринши бөлиминиң 1, 2, 3 ҳәм 5-бәнтлеринде көрсетилген жағдайларда тамамлаў жерден пайдаланыў ҳәм оны қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўшы уйымлардың усынысына муўапық ҳуқықлар тоқтатылыўының тийкарлы екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң яки Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ қарарлары менен әмелге асырылады. Жер участкасына ийелик етиў ҳуқықын, жер участкасынан турақлы ямаса ўақытша пайдаланыў ҳуқықын усы статьяның 6-11-бәнтлеринде көрсетилген жағдайда тоқтатыў усы Нызамныӊ 37-статьясында белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Жер участкасына ийелик етиў яки жер участкасынан турақлы ямаса ўақытша пайдаланыў ҳуқықы усы статьяныӊ биринши бөлими 12-бәнтинде көрсетилген жағдайда тоқтатыў тийисли районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслериниң усынысына муўапық, ҳуқықлардың тоқтатылыўының тийкарлы екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары менен әмелге асырылады. Физикалық ҳәм юридикалық шахслар жер участкаларына ийелик етиў ҳуқықын, жер участкасынан турақлы яки ўақытша пайдаланыў ҳуқықын тоқтатыў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ҳәм де көрсетилген лаўазымлы шахслардың қарарларынан наразы болған жағдайда усы қарарлар үстинен судқа шағым етиўи мүмкин. (35-статьяныӊ 4-бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм мәмлекетлик басқарыў уйымлары жер участкаларына болған ҳуқықларды ашық таӊлаў ҳәм электрон онлайн-аукцион жуўмақлары ҳаққындағы баянламаны бийкарлаў яки өзгерис киргизиў жолы менен бийкарлаўға ҳақылы емес, усы статьяда нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары (35-статьяныӊ 5-бөлими Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына тийкар толықтырылған) Усы статьяның биринши бөлиминиң 3-бәнтинде нәзерде тутылған жағдайларда жер участкасына болған ижара ҳуқықын тоқтатыў ижара шәртнамасын бийкарлаў жолы менен әмелге асырылады. Усы статьяның биринши бөлиминиң 1, 2, 6-10, 12, 13-бәнтлеринде нәзерде тутылған жағдайларда жер участкасына болған ижара ҳуқықын тоқтатыў усы Нызамның 23-статьясында нәзерде тутылған тәртипте жер участкасының ижара шәртнамасын бийкарлаў жолы менен әмелге асырылады. (29.06.2019-ж. 258/XXVI санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Жер участкасының ийелик етиўшиси, пайдаланыўшысы, ижарашысы ҳәм меншик ийеси жер участкасына болған ҳуқықлардан бас тартыўынан анық дәлиллик бериўши ҳәрекетлер (сырт елге жөнеп кетиў, жер участкасынан белгиленгенинен көбирек мүддет даўамында пайдаланбаў) ислеген жағдайда, бул жер участкасы нызам ҳүжжетлери менен белгиленген тәртипте ийесиз мүлк сыпатында есапқа алынады. Жер участкасына болған ҳуқықлардан бас тартыў усы жер участкасының ийелик етиўшиси, пайдаланыўшысы, ижарашысы ҳәм меншик ийеси мәжбүриятларының, жер участкасы басқа шахсқа берилгенге дейин, бирақ бас тартылған ўақыттан баслап яки ийесиз мүлк есабында мәмлекетлик есапқа алынған күннен баслап узағы менен бир жыл даўамында бийкар етилиўине себеп болады. 36-статья. Жер участкасын мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын алып қойыў, қайта сатып алыў Жер участкасы яки оның бир бөлеги мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын жер ийесиниң разылығы менен яки жерден пайдаланыўшы ҳәм ижарашы менен келисилген ҳалда тийисли район, қала ҳәкиминиң, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарларына муўапық алып қойылады. Жер ийеси, жерден пайдаланыўшы ҳәм ижарашы жер участкасын алып қойыў ҳаққындағы тийисли район, қала ҳәкиминиң, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарына нарийза болған жағдайда, бул қарарлар үстинен судқа шағым етиўи мүмкин. Кәрханалар, имаратлар ҳәм қурылмалар қурыў ушын жер участкаларын алып қойыўдан мәпдар болған кәрханалар, бирлеспелер ҳәм шөлкемлер жойбарлар басланғанға шекем аймақты комплексли раўажалндырыўды тәмийинлеўди инабатқа алған ҳалда объект қурылатуғын жерди, участканың шама өлшеми ҳәм оны ажыратыў шәртлерин жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылар сондай-ақ тийисли район, қала ҳәкимлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен алдын ала келисип алыўы шәрт. Бундай тәризде алдын ала келисип алмағанға шекем жойбар жумысларын қаржыландырыўға жол қойылмайды. Жер участкасын мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын алып қойыў ҳәм объект қурылатуғын жерди алдын ала келисип алыў, сондай-ақ жер ажыратып бериўди рәсмийлестириў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың, соның ишинде сырт еллик юридикалық ҳәм физикалық шахслардың меншиги болған жер участкасын саўда ҳәм хызмет көрсетиў саласы объекти яки турақ жай имараты ҳәм басқа имарат яки имараттың бир бөлеги менен бирге мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын қайта сатып алыў усы Нызамның 40-статьясында нәзерде тутылған кепилликлер менен тәмийинленген ҳалда тийисли район, қала ҳәкиминиң, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарына муўапық әмелге асырылады. 37-статья. Жер ҳаққындағы Нызам ҳүжжетлери бузылғанда жер участкасын алып қойыў Усы Нызамның 35-статьясының биринши бөлиминиң 6-11-бәнтлеринде нәзерде тутылған жағдайларда, сондай-ақ жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылған басқа жағдайда жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалыўды әмелге асырыўшы уйым жер ийеси яки жерден пайдаланыўшыны алдын ала ескерткеннен кейин жер участкасын берген уйымның усынысы тийкарында бир ай мүддетте жер участкасын алып қойыў ҳаққында қарар шығарады. Жер участкасын алып қойыў мәселесин шешиў ўәкиллик шеклерине кириўши уйым, зәрүр жағдайларда, жер участкасының аўҳалын ҳәм жер ийеси яки жерден пайдалыныўшы тәрепинен жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың сапасын қосымша рәўиште тексериўди тайынлаўға ҳақылы.V-БАП. Жер ийеси, жерден пайдаланыўшы, ижарашы ҳәм жер участкасы меншик ийелериниң ҳуқық ҳәм ўазыйпалары.
38-статья. Жер ийеси, жерден пайдаланыўшы, ижарашы ҳәм жер участкасы меншик ийесиниң ҳуқықлары Жер ийеси, жерден пайдаланыўшы, ижарашы ҳәм жер участкасы меншик ийеси төмендеги ҳуқықларға ийе: 1) жер участкасында оннан пайдаланыў мақсетине муўапық өз алдына хожалық жүргизиў; 2) аўыл хожалығы егинзарлары ҳәм нәлзарлары және терекликлерге, жетистирилген аўыл хожалығы өнимлерине ҳәм оны реализация етиўден алынған дәраматқа болған мүлк ҳуқықы; 3) жер участкасындағы бар болған кең тарқалған пайдалы қазылма байлықлардан, тоғайлардан, суў объектлеринен хожалық зәрүрликлери ушын белгиленген тәртипте пайдалыныў, сондай-ақ жердиң басқа да пайдалы тәреплерин иске салыў; 4) жерлерди суўғарыў ҳәм олардың изейин қашырыў, агротехникалық ҳәм басқа да мелиорация жумысларын жүргизиў; 5) аўыл хожалығы егинлерин, тереклерди суўғарыў ҳәм басқа мақсетлер ушын суўғарыў дереклеринен лимитлерге муўапық суў алыў; 6) белгиленген тәртипте турақ жай имаратлары, өндирислик, мәдений-турмыс ҳәм басқа да имаратлар ҳәм қурылмаларды қурыў, жер участкаларынан пайдаланыў мақсети ҳәм жойбар ҳүжжетлерине муўапық оларды қайта қурыў ҳәм бузып таслаў. Жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылар бул жумысларды жер ийелери менен келисип әмелге асырыўға ҳақылы; 7) жер участкасы алып қойылған жағдайда оған келтирилген зәлелдиң (соның ишинде алынбаған пайданың) өтелиўи яки жер участкасынан ықтыярлы түрде бас тартқанда сарыпланған қәрежетлердиң төлениўин талап етиў; 8) жер участкасын ямаса оның бир бөлегин нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте ўақытша пайдаланыўға ҳәм ишки хожалық ижарасына бериў. Жер ийеси болған пуқара жер участкасына мийрас етип қалдырылған өмирликке ийелик етиў ҳуқықын, соның менен бирге «ким зыят» саўдасы тийкарында алынған усындай ҳуқықты дийқан хожалығын жүргизиў, жеке тәртипте үй-жай қурыў мақсетинде кредитлер алыў ушын гиреўге қойыўы мүмкин. Жер ийеси, жерден пайдаланыўшы, ижарашы ҳәм жер участкасы меншик ийеси нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин. 39-статья. Жер ийеси, жерден пайдаланыўшы, ижарашы ҳәм жер участкасы меншик ийесиниң миннетлери Жер ийеси, жерден пайдаланыўшы, ижарашы ҳәм жер участкасы меншик ийеси төмендегилерди орынлаўы шәрт: 1) жерден белгиленген мақсетке муўапық пайдаланыў, топырақ өнимдарлығын арттырыў, өндиристиң тәбиятты қорғаўшы технологияларынан пайдаланыў, өзиниң хожалық жумысы нәтийжесинде аймақта экологиялық жағдайдың төменлеўине жол қоймаў; 2) ислеп турған ирригация ҳәм мелиорация тармақларын, инженерлик коммуникацияларды саз ҳалда сақлаў; 3) жерлерди қорғаў бойынша усы Нызамның 76-статьясында нәзерде тутылған илажлар комплексин әмелге асырыў; 4) жер салығын ямаса жер ушын ижара ҳақын өз ўақтында төлеў; 5) басқа жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, жер участкалары ижарашылары ҳәм меншик ийелериниң ҳуқықларын бузбаў; 6) пайдалы қазылма кәнлерин ислетиў, қурылыс ҳәм басқа да жумысларды әмелге асырыў ушын берилген аўыл хожалық жерлерин ҳәм тоғайларды оларға зәрүрлик қалмағанынан кейин өз есабынан аўыл хожалығы, тоғай хожалығы ямаса балық хожалығында пайдаланыў ушын жарамлы ҳалға келтириў; 7) пайдалы қазылма кәнлерин ислетиў пайытында, сондай-ақ басқа да жумысларды әмелге асырыў ўақтында ийелик етиўге, пайдаланыўға ҳәм меншик етип берилген (реализация етилген) жер участкалары аймағының тысқарысындағы аўыл хожалығы егинлери, тоғайлар ҳәм басқа да жерлерге кери тәсир етиўдиң алдын алыў ямаса оны мүмкиншилиги болғанынша шеклеў илажларын көриў; 8) жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына жерден пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мағлыўматларды өз ўақтында жеткерип бериў; 9) басқа жер ийелерине, жерден пайдаланыўшыларға, жер участкаларының ижарашыларына ҳәм меншик ийелерине келтирилген зыянды белгиленген тәртипте қаплаў. Нызам ҳүжжетлерине муўапық жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, жер участкаларының ижарашылары ҳәм меншик ийелери басқа да миннетлерге ийе болыўы мүмкин. 40-статья. Жер участкаларына болған ҳуқықлардың кепилликлери Жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, жер участкаларының ижарашылары ҳәм меншик ийелериниң жумысларына мәмлекетлик, хожалық уйымларының ҳәм шөлкемлердиң, сондай-ақ лаўазымлы шахслардың араласыўы қадаған етиледи, нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. Жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, жер участкаларының ижарашылары ҳәм меншик ийелериниң бузылған ҳуқықлары нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған тәртипте тиклениўи керек. Жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, жер участкаларының ижарашылары ҳәм меншик ийелери ҳуқықларының бузылыўы нәтийжесинде келтирилген зыян (соның ишинде алынбаған пайда) толық қапланыўы керек. Физикалық шахсларға берилген жер участкалары мәмлекетлик ямаса жәмийетлик мүтәжликлер ушын усы шахслардың қәлеўине қарай район, қала ҳәкиминиң қарары менен әўелги жер участкасы менен теңдей участка ажыратылып берилгенше, бул жер участкасы алып берилип атырған кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер алып қойылған жер участкасының орнына басқа жерден турақ-жай, өндирислик ҳәм басқа да имаратларды қурып бергеннен кейин ҳәм усы Нызамның 83-статьясына муўапық басқа барлық зыянлар (соның ишинде алынбаған пайда) толық өтелгеннен кейин алып қойылыўы мүмкин. Мәмлекетлик ямаса жәмийетлик мүтәжликлер ушын аўыл хожалығы кәрханаларының, аўыл хожалығы илимий-изертлеў мәкемелериниң, тәжирийбе ҳәм оқыў хожалықларының жерлери олардың қәлеўине қарай алып қойылып атырған имаратлар орнына турақ-жайлар, өндирислик ҳәм басқа да имаратлар қурып берилгеннен кейин ҳәм усы Нызамның 83-статьясына муўапық басқа да барлық зыян (соның ишинде қолдан жиберилген пайда) толық қапланғаннан кейин алып қойылыўы мүмкин. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың меншигинде болған саўда ҳәм хызмет көрсетиў саласы объектин, сондай-ақ турақ-жай имаратлары ҳәм басқа да имаратлар ямаса имаратлардың бир бөлегин олар жайласқан жер участкасы менен бирге мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик мүтәжликлер ушын қайта сатып алыў, сондай-ақ оларды конфискациялаў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. 41-статья. Жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, жер участкасы ижарашылары ҳәм меншик ийелериниң ҳуқықларының шеклениўи Жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, жер участкалары ижарашылары ҳәм меншик ийелериниң ҳуқықлары мәмлекет мәплерин, қоршаған орталықты қорғаў, инженерлик коммуникациялар қурыў ҳәм олардан пайдаланыў мәплерин, басқа жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, жер участкалары ижарашылары ҳәм меншик ийелериниң мәплерин, сондай-ақ пуқаралар қәўипсизлигин гөзлеп тек ғана нызамда нәзерде тутылған жағдайларда шеклениўи мүмкин.VI-БАП. Аўыл хожалығына арналған жерлер
42-статья. Аўыл хожалығына арналған жерлердиң қурамы Аўыл хожалығы мүтәжликлери ушын берилген ямаса усы мақсетте белгиленген жерлер аўыл хожалығына арналған жерлер болып есапланады. Аўыл хожалығына арналған жерлер аўыл хожалығын жүргизиў ушын зәрүр болған аўыл хожалығы жерлери ҳәм терекзарлар, ишки хожалық жоллары, коммуникациялар, тоғайлар, жабық суў ҳәўизлери, жай, имарат ҳәм қурылмалар жайласқан жерлер болып бөлинеди. Сүрилетуғын жерлер, пишензарлар, жайлаўлар, партаў жерлер, көп жыллық ағашлар (бағлар, жүзим, тут, мийўели терек нәллери, мийўе ҳәм т.б.) менен бәнт жерлер аўыл хожалығы жерлерине киреди. Аўыл хожалығы жерлери арнаўлы түрде қорғалыўы тийис. Аўыл хожалығына арналған жерлерди аўыл хожалығынан басқа мүтәжликлер ушын басқа категориядағы жерлерге өткериўге айырым жағдайларда усы Нызам ҳәм басқа нызам ҳүжжетлерине муўапық жол қойылады. Аўыл хожалығы жерлерин ирригация суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы системасына тийкарланған қолдан суўғарыў аўыл хожалығы өндирисин шөлкемлестириўдиң тийкары ҳәм жерлерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм олардың өнимдарлығын арттырыўдың шәрти болып табылады. (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 43-статья. Суўғарылатуғын жерлер Аўыл хожалығында пайдаланыў ҳәм суўғарыў ушын жарамлы болған суў ресурслары усы жерлерди суўғарыўды тәмийинлей алатуғын суўғарыў дереги менен жалғанған турақлы ямаса ўақытша суўғарыў тармағына ийе болған жерлер суўғарылатуғын жерлерге киреди. Cуў хожалығы уйымлары суўғарылатуғын жерлери бар болған жер ийелерин ҳәм жерден пайдаланыўшыларды суўғарыў ислери ушын дереклердиң мүмкиншилигин есапқа алып белгиленген лимитлер бойынша суў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери менен белгиленетуғын тәртипте суў менен тәмийинлеўи шәрт. Суўғарылатуғын жерлерден тек аўыл хожалығы егинлерин жетистириў, сондай-ақ, бағманшылық, жүзимшилик ҳәм көп жыллық тереклерди жетистириў ушын пайдаланылыўы мүмкин. Суўғарылатуғын жерлер арнаўлы қорғалыўы тийис. Бундай жерлерди суўғарылмайтуғын жерлер қатарына киргизиў айырым жағдайларда, топырақ-мелиоратив ҳәм экономикалық шараятлар ҳәм де жерлердиң суў менен тәмийинленгенлиги, олардыӊ суў ресурсларын ҳәм бул суўларға белгиленген лимитлерди есапқа алып, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң жуўмағына муўапық Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен әмелге асырылады. Суўғарылатуғын жерлерди аўыл хожалығынан басқа мақсетлер ушын, сондай-ақ, санаат ҳәм пуқаралық объектлери (имаратлар ҳәм қурылмалар) қурылысы ушын, сондай-ақ, өнимдар топырақ талап етилмейтуғын алдыңғы технологиялардың (гидропоника ҳәм басқалар) жаңа усыллары қолланылатуғын ыссыханалар қурылысы ушын ажыратыўға жол қойылмайды. Суўғарылатуғын жерлерде аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде оларға топырақ өнимдарлығы төменлеўине алып келетуғын тәризде усыллар менен қайта ислеў ямаса олардың зақымланыўына алып келиўши басқа да усылларды қоллаў қадаған етиледи. (43-статьяға Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 44-статья. Айрықша баҳалы өнимдарлы суўғарылатуғын жерлер Топырақ өнимдарлығына муўапық орташа районлық бонитет баллынан 20 пайыздан жоқары болған суўғарылатуғын аўыл хожалығы жерлери айрықша баҳалы өнимдарлы суўғарылатуғын жерлерге киреди. Айрықша баҳалы өнимдарлы суўғарылатуғын жерлер арнаўлы түрде қорғалыўы тийис ҳәм олардың суўғарылмайтуғын жерлер қатарына өткерилиўине жол қойылмайды. (44-статьяға Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 441-статья. Бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары Нызамшылыққа муўапық физикалық ҳәм юридикалық шахсларға ажыратылмаған ҳәм де жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларыныӊ бийлигинде болған аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары болып табылады. Бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары белгиленген тәртипте мәмлекетлик меншик сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткериледи. Физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жер участкаларын аўыл хожалығы мақсетлери ушын бериў тек бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары есабынан әмелге асырылады. (441-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы редакциясы тийкарында) 45-статья. Аўыл хожалығына арналған жерлерди бериў Аўыл хожалығына арналған жерлер төмендегилерге бериледи: 1) аўыл хожалығы кооперативлерине, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлерге, сондай-ақ, басқа да юридикалық шахсларға-товарлық аўыл хожалығы өндирисин жүргизиў ушын; (35-статьяныӊ 1-бөлими 4-бәнти Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында алып тасланған) 2) тәжирийбе-өндирислик, оқыў, оқыў-тәжирийбе ҳәм оқыў-өндирислик хожалықлары, илимий-изертлеў ҳәм басқа да аўыл хожалығы мәкеме ҳәм шөлкемлерине илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мақсетлери, товарлық аўыл хожалығы өндирисин жүргизиў ҳәм алдыңғы тәжирийбени үгит-нәсиятлаў ушын; 3) Өзбекстан Республикасы пуқараларына-фермер хожалықларын жүргизиў ушын; 4) Өзбекстан Республикасы пуқараларына-дийқан хожалықларын, жеке тәртипте бағманшылық, палызшылық ҳәм шарўашылықты жүргизиў ушын; (45-статьяныӊ 1-бөлими 5 ҳәм 6-бәнтлери Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында алып тасланған) (45-статьяныӊ 2-бөлими Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында алып тасланған) (45-статьяныӊ 3-бөлими Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында алып тасланған) Аўыл хожалығына арналған жерлер нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайларда юридикалық ҳәм физикалық шахсларға аўыл хожалығын жүргизиў, сондай-ақ басқа мақсетлер ушын берилиўи мүмкин. Аўыл хожалығы жерлери басқа мақсетлерде, әдетте соңынан аўыл хожалық мақсетлеринде пайдаланыў ушын жарамлы ҳалға келтириў шәрти менен ўақытша пайдаланыўға бериледи. 451-статья. Бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларының ажратылатуғын өлшемлери Бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары төмендеги өлшемлерде ажратылады: 1) дийхан хожалығын жүргизиў ушын — 0, 06 гектардан 1 гектарға шекем; 2) фермер хожалықларына ҳәм басқа юридикалық шахсларға : палыз егинлерине қәнигелескенлерге — кеминде 3 гектар ; бағшылыққа, жүзимшиликке қәнигелескенлерге — кеминде 3 гектар ; шарўашылық өнимин ислеп шығарыўға қәнигелескенлерге азық егинлерин жетистириў ушын (шәртли бир бас қарамал ушын) — суўғарылатуғын жерлерден — кеминде 0,3 гектар, қарызғар жерлерден — кеминде 1 гектар, жайлаўлар ҳәм пишензарлардан — кеминде 2 гектар; пахташылық ҳәм ғәллешиликке қәнигелескенлерге — кеминде 30 гектар; ғәллешилик ҳәм палыз егинлерине қәнигелескенлерге — кеминде 10 гектар; 3) агросаноат кластерлери, сондай-ақ кооперация түриндеги кластерлер ушын: пахташылық -тоқымашылыққа қәнигелескенлерге — кеминде 2000 гектар; ғәллешиликке қәнигелескенлерге — кеминде 1000 гектар; палыз егинлерине ҳәм палызшылыққа қәнигелескенлерге — кеминде 200 гектар; бағшылық, жүзимшиликке қәнигелескенлерге — кеминде 100 гектар; шарўашылық өнимин ислеп шығыўға қәнигелескенлерге азық егинлерин жетистириў ушын (шәртли бир бас қарамал ушын) суўғарылатуғын жерлерден — кеминде 0,3 гектар, қарызғар жерлерден — кеминде 1 гектар, жайлаўлар ҳәм пишензарлардан — кеминде 2 гектар. (451-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы редакциясы тийкарында) 46-статья. Аўыл хожалығына арналған жерлерден пайдаланыў бойынша жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылардың миннетлери Аўыл хожалығына арналған жерлерден пайдаланыўшы жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылар: 1) бизнес жобаларда топырақ өнимдарлығын арттырыў ҳәм жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў бойынша анық илажларды нәзерде тутыўы; 2) зона шараяты ҳәм хожалықтың қәнийгелигине сай илимге тийкарланған алмаслап егиў, дийқаншылықтың ең нәтийжели ҳәм экономикалық жақтан рационал системаларын енгизиў; 3) сүрим жерлердиң сақланыўын ҳәм кеңейиўин тәмийинлеўи; 4) мелиоративлик жағдайы төмен суўғарылатуғын жерлерди комплексли реконструкциялаўы, пишензар ҳәм жайлаўларды суў менен тәмийинлеў ҳәм олардың жағдайын жақсылаўы; 5) хожалықтың барлық ишки суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармағын ҳәм ондағы қурылмаларды техникалық жақтан саз ҳалда сақлаўы; 6) аўыл хожалығы өндирисин суўғарылатуғын жерлердиң шорланыўына, изейлениўине, жерлердиң ҳәм суў дереклериниң патасланыўы ҳәм зыянланыўына жол қоймайтуғын усыллар менен әмелге асырыўы; 7) аўыл хожалық егинлерин ҳәм тереклерди тәрбиялаўда суўды үнемлеўши технологияларды, суўғарыўдың алдыңғы усылларын енгизиўи; 8) жерлерди қорғаў бойынша, соның ишинде суўғарылатуғын жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыўға жол қоймаў бойынша усы Нызамға ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлерине муўапық илажларды көриўи шәрт. (ҚР ЖК 16.12.2019-ж. 282 / XXIX -санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) 47-статья. Аўыл хожалығы кооперативлерине (ширкет хожалықларына) басқа да аўыл хожалығы кәрханаларына, мәкеме ҳәм шөлкемлерине жер участкаларын бериў Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) - товарлық аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў мақсетинде пай усылына тийкарланған аўыл хожалығы кәрханасының шөлкемлестириў ҳуқықый формасы. Аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) кооперативиниң (ширкеттиң) өндирислик ислеринде, тийкарынан шаңарақлық (жәмәәтлик) шәртлесиў тийкарында жеке қатнасыўшы мүлкий пай ийелери болған ағзаларды бирлестиреди. Аўыл хожалығы кәрханалары, мәкемелери ҳәм шөлкемлери нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа да шөлкемлестириў-ҳуқықый формаларда (акционерлик жәмийетлер, жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлер, сондай-ақ хожалық ширкетлери формасында) да дүзилиўи мүмкин. Аўыл хожалығы кооперативлерине (ширкет хожалықларына) ҳәм басқа да аўыл хожалық кәрханалары, мәкемелери ҳәм шөлкемлерине берилген жерлер жәмийет ийелигиндеги жерлерден ҳәм пуқараларға дийқан хожалығын жүргизиў ушын берилген жерлерден ибарат болады ҳәм олардан тек ғана мақсетке муўапық пайдаланылады. Аўыл хожалығына арналған жерлер район ҳәкиминиң қарары яки Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары менен аўыл хожалығы кооперативлерине (ширкет хожалықларына) ижараға, басқа да аўыл хожалығы кәрханалары, мәкемелери ҳәм шөлкемлерине болса турақлы ийелик етиў ушын ямаса ижараға бериледи. Жер участкасының ижара шәртнамасы аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) баслығы, басқа да аўыл хожалығы кәрханасы, мәкемеси, шөлкеминиң баслығы менен район ҳәкими ортасында дүзиледи. Жер участкаларын турақлы ийелик етиў ушын алған аўыл хожалығы кәрханалары, мәкемелери, шөлкемлерине жер участкасына турақлы ийелик етиў ҳуқықын бериўши мәмлекетлик ҳүжжет бериледи. Аўыл хожалығы кооперативлери (ширкет хожалықлары) ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханалары, мәкемелери ҳәм шөлкемлериниң жер участкаларына болған ҳуқықы олар ассоциация ҳәм басқа да агросанаат бирлеспелери қурамына киргенде сақланып қалады. 471-статья. Тәжрийбе-ислеп шығарыў, оқыў, оқыў-тәжрийбе ҳәм оқыў-ислеп шығарыў хожалықлары, илимий-изертлеў ҳәм басқа аўыл хожалық мәкемелери ҳәм шөлкемлерине жер участкаларын бериў Тәжрийбе-ислеп шығарыў, оқыў, оқыў-тәжрийбе ҳәм оқыў-ислеп шығарыў хожалықлары, илимий-изертлеў ҳәм басқа аўыл хожалық мәкемелери ҳәм шөлкемлерине аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер турақлы пайдаланыў, мүддетли (ўақытша) пайдаланыў ямаса ижара ҳуқықы тийкарында илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мақсетлери, товар аўыл хожалығын жүргизиў ҳәм алдыңғы тәжрийбени үгит нәсиятлаў ушын бериледи. Тәжрийбе-ислеп шығарыў, оқыў, оқыў-тәжрийбе ҳәм оқыў-ислеп шығарыў хожалықлары, илимий-изертлеў ҳәм басқа аўыл хожалық мәкемелери ҳәм шөлкемлери жер участкаларын ижараға ямаса екилемши ижараға бериў ҳуқықына ийе емес. Тәжрийбе-ислеп шығарыў, оқыў, оқыў-тәжрийбе ҳәм оқыў-ислеп шығарыў хожалықлары, илимий-изертлеў ҳәм басқа аўыл хожалық мәкемелери ҳәм шөлкемлерине берилген, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерде имаратлар ҳәм қурылмалар қурыўға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ қарарына муўапық айрықша жағдайларда жол қойылады. (471-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы редакциясы тийкарында) 48-статья. Жер участкаларын хожалық ишинде бөлистириў. Шаңарақлық (жәмәәтлик) бөлип алып ислеў Аўыл хожалығы кооперативлери (ширкет хожалықлары) ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханалары, мәкемелери ҳәм шөлкемлеринде жер участкалары, әдетте шаңарақларға аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын кеминде бес жыл мүддетке пайдаланыўға шаңарақлық бөлип алыў шәртнамасының шәртлери тийкарында бериледи. Сондай-ақ, жер участкалары айырым түрдеги аўыл хожалық жумысларын орынлаў ушын аўыл хожалығы кооперативлери (ширкет хожалықлары) ағзаларының ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханалары, мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң топарларына кеминде бес жылдан аз болмаған мүддетке пайдаланыўға жәмәәтлик бөлип алыў шәртнамасы шәртлери тийкарында берилиўи мүмкин. Шаңарақлық бөлип алып ислеў - аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханасы, мәкемеси ҳәм шөлкеми тәрепинен шаңараққа ўақытша пайдаланыўға шаңарақлық бөлип алыў шәртнамасы шәртлери тийкарында берилген жер участкаларында аўыл хожалық өнимлерин жетистириўде шаңарақ ағзаларының тиккелей қатнасыўына тийкарланған өндирис ҳәм мийнетти хожалық ишинде шөлкемлестириў формасы болып табылады. Шаңарақлық (жәмәәтлик) бөлип алыў шәртнамасы ҳәр жылы аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы), басқа да жәмәәтлик аўыл хожалығы кәрханасының басқарыў уйымлары арқалы усы кооператив (ширкет), жәмәәтлик кәрхана менен ямаса басқа да аўыл хожалығы кәрханасы, мәкемеси ҳәм шөлкемлериниң жумыс бериўшиси (басқармасы) менен шаңарақ ийеси (жәмәәттиң толық ҳуқық берилген ўәкили) арасында дүзиледи. Шаңарақлық (жәмәәтлик) бөлип алып ислеў шәртнамасында төмендегилер нәзерде тутылады; жер участкасының өлшеми, жайласқан орны ҳәм жағдайы; жер участкасынан пайдаланыў шәртлери, тәреплердиң алмаслап егиў схемасына муўапық жердиң өнимдарлығын ҳәм сапасын арттырыўдағы, топырақ өнимдарлығын сақлаў ҳәм арттырыўдағы миннетлери; жетистирилетуғын аўыл хожалығы өниминиң муғдары ҳәм түрлери, оның сапасы; жетистирилетуғын аўыл хожалық өниминиң нарқы, оған ҳақы төлеў ҳәм оны реализациялаў шәртлери; бөлип алып ислеўшини суўғарыў ушын суў ҳәм материаллық-техникалық ресурслар менен тәмийинлеў; тәреплердиң шәртнама шәртлерин орынламағанлығы ушын жуўапкершилиги ҳәм олардың қәлеўине қарай басқа да шәртлер. Шаңарақлық (жәмәәтлик) бөлип алыў шәртлери тийкарында берилетуғын жер участкаларынан қатаң мақсетке муўапық пайдаланылады, бунда сүрим жерлер майданының өлшемлериниң кемейиўине жол қойылмайды. Жер участкасының өлшемлери ҳәм оның шегаралары шахслардың келисиўине қарай өзгериўи мүмкин. Шаңарақлық (жәмәәтлик) бөлип алып ислеўде мийнетке ҳақы төлеў ақырғы нәтийжелерге қарай, жетистирилген өнимниң шәртнамада нәзерде тутылған муғдары, сапасы ҳәм нырқына қарай әмелге асырылады. Усының менен бирге шаңарақ ағзалары (бөлип алып ислеўшилер)-пай ийелери хожалықтың жыл даўамындағы ислериниң ақырғы нәтийжелерине қарай анықланатуғын дивидендлер алады. Шаңарақлық (жәмәәтлик) бөлип алып ислеў шәртлери тийкарында берилген жер участкасы ушын бөлип алып ислеўшиден жер ҳақы өндирилмейди. Бул участкалардан алынатуғын жер салығын аўыл хожалық кооперативи (ширкет хожалығы) ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханалары, мәкеме ҳәм шөлкемлери белгиленген тәртипте төлейди. Бөлип алыў шәртнамасы шәртлери тийкарында алынған жер участкасын ижараға ямаса жәрдемши бөлип алып ислеўге бериў қадаған етиледи. Жер участкасы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойылған жағдайда, бөлип алып ислеўши зыянын ҳәм басқа да қәрежетлерин усы Нызамның 83-статьясына муўапық қапланыўын талап етиў ҳуқықына ийе. 49-статья. Хожалықлар аралық кәрханалар ҳәм шөлкемлерге жер бериў Аўыл хожалығына қәнийгелескен хожалықлар аралық кәрхана ҳәм шөлкемлерге аўыл хожалығына арналған жерлер аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы), басқа да жәмәәтлик аўыл хожалығы кәрханасының жоқарғы басқарыў уйымының, басқа да аўыл хожалығы кәрханаларының, мәкеме ҳәм шөлкемлериниң жумыс бериўшисиниң (басқармасының) қарарына муўапық, усы Нызамның 55-статьясында белгиленген тәртипте ҳәм шәртлерде бериледи. 50-статья. Фермер хожалығын жүргизиў ушын жер участкаларын бериў Фермер хожалығы өзине ижараға берилген жер участкаларынан пайдаланған ҳалда товарлық аўыл хожалығы өндириси менен шуғылланыўшы, юридикалық тәреп ҳуқықларына ийе өз алдына хожалық жүргизиўши субъект болып табылады. Фермер хожалығын жүргизиў ушын жер участкалары: резерв жерлерден; юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге берилмеген, аўыл хожалығына арналған жерлерден; қайта шөлкемлестирилип атырған ҳәм сапластырылып атырған аўыл хожалығы кооперативлериниң (ширкет хожалықларының) ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханалары, мәкемелери ҳәм шөлкемлериниң жерлеринен; аўыл хожалығы кооперативлериниң (ширкет хожалықларының) ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханаларының, мәкеме ҳәм шөлкемлериниң жерлеринен бериледи. (алып тасланды) (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) Илимий-изертлеў мәкемелерине, жоқары оқыў орынларына, академиялық лицейлер, кәсип-өнер колледжлерине ҳәм улыўма билим бериў мектеплерине оқыў, тәжирийбе, сорт сынаў мақсетлери ушын берилген жерлер ҳәм суў қоры жерлери фермер хожалықларына берилмейди. Фермер хожалықларына жер участкалары елиў жылға шекем, бирақ отыз жылдан кем болмаған мүддетке ижараға ашық таңлаў тийкарында бериледи. (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Фермер хожалығын жүргизиў ушын жер участкасының өлшеми жер участкасын беретуғын уйым тәрепинен ҳәр бир анық жағдайда жергиликли шараятларды, сондай-ақ фермер хожалығында ислеўшилер санын есапқа алған ҳалда белгиленеди. Фермер хожалығы өндирислик мақсетлер ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте ҳәм шәртлрде жер участкаларын қосымша ижараға алыў мүмкин. Фермер хожалығы ықтыярлы түрде, фермер хожалығы баслығының аўыл хожалығы кооперативи (ширкет хожалығы) басқармасына, район ҳәкимине жазба түрде мүрәжаты тийкарында шөлкемлестириледи ҳәм фермер хожалығы, сондай-ақ жер участкасын ижараға алыў шәртнамасы мәмлекетлик дизимнен өткен ўақыттан баслап шөлкемлестирилген болып есапланады. Фермер хожалығы район ҳәкимиятында дизимнен өткеннен кейин юридикалық шахс статусына ийе болады. Фермер хожалығын жүргизиў ушын пуқараларға жер участкаларын бериў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. Фермер хожалығына берилген жер участкалары меншиклестирилиўи ҳәм алыў-сатыў, гиреў, саўға етиў, алмастырыў объекти болыўы мүмкин емес. Кредитлер алыў ушын фермер хожалығы өз мал-мүлкин, сондай-ақ жер участкасына болған ижара ҳуқықын гиреўге қойыўға ҳақылы. Фермер хожалығы жер участкасына болған ижара ҳуқықларын ижараға бериўшиниң разылығысыз тек ғана нызамда ямаса ижара шәртнамасында нәзерде тутылған жағдайларда гиреўге қойыўға ҳақылы. 51-статья. (51-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өз күшин жойытқан) 52-статья. Дийқан хожалығын жүргизиў ушын пуқараларға жер участкаларын бериў Дийхан хожалығын жүргизиў ушын пуқараларға жер участкаларын бериў тәртиби «Дийхан хожалығы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына муўапық белгиленеди. Дийхан хожалығын жүргизиў ушын жер участкасын ижараға бериў ҳаққындағы қарар усы Нызамныӊ 23-статьясы екинши бөлим 1-бәнтинде белгиленген тәртипте қабыл етиледи. (52-статьяныӊ текстине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 53-статья. Жәмәәтлик бағманшылық, жүзимшиликти ҳәм палызшылықты жүргизиў ушын пуқараларға берилген жер участкалары Жәмәәтлик палызшылығы ушын берилген жер участкаларынан мийўе овощь, картошка ҳәм палыз егинлерин жетистириўде пайдаланылады. Олардан үйлер ҳәм басқа капитал қурылмалар қурыў ушын пайдаланыў қадаған етиледи. Бундай участкаларда улыўма пайдаланыўдағы ўақытша имаратлар ҳәм қурылмалар қурыўға нызамшылықта белгиленген тәртипте рухсат берилиўи мүмкин. Жәмәәтлик бағманшылығы, жүзимшилиги ҳәм палызшылығы ушын берилген жерлерден пайдаланыў тәртиби ҳәм шәртлери нызамшылық пенен белгиленеди. (53-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында) 54-статья. (54-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өз күшин жойытқан) 55-статья. Аўыл хожалығына арналған жерлерди аўыл хожалығы ҳәм басқа бағдардағы кәрханаларға, мәкеме ҳәм шөлкемлерге бериў тәртиби ҳәм шәртлери Аўыл хожалығына арналған жерлер аўыл хожалығы ҳәм басқа бағдардағы кәрханаларға, мәкеме ҳәм шөлкемлерге жерлери алып қойылатуғын жер ийелериниң разылығы менен ҳәм жерден пайдаланыўшылар менен келисимге муўапық жер участкаларын ажыратыў жойбарларына тийкарланып район ҳәкиминиң яки Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарары менен бериледи. Жаңадан ямаса қайта шөлкемлестирилип атырған, сапластырылып атырған аўыл хожалығы ҳәм басқа да бағдардағы кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң жер участкасына болған ҳуқықлары олар район ҳәкиминиң яки Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарары тийкарында, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шөлкемлестирилген, қайта шөлкемлестирилген ямаса сапластырылған пайыттан баслап пайда болады ямаса тоқтатылады. Аўыл хожалығы кәрханалары, мәкеме ҳәм шөлкемлерине аўыл хожалығына арналған жерлерди бериў хожалық жумыслары ушын қолайлы шегараларда әмелге асырылады. Аўыл хожалығы кәрханалары, мәкеме ҳәм шөлкемлериниң пайдаланыўындағы жер участкаларының бөлек-бөлек, басқа жерлерге кирип қалған болыўына ҳәм басқа кемшиликлерине ийе болыўына әдетте жол қойылмайды. Аўыл хожалығы кәрханалары, мәкеме ҳәм шөлкемлериниң пайдаланыўындағы жерлердиң бөлек-бөлек, басқа жерлерге кирип қалғанлығын ҳәм басқа кемшиликлерин сапластырыў хожалықлар аралық жер дүзиў тәртибинде әмелге асырылады.VII-БАП. Елатлы пунктлердиң (қала, поселка ҳәм аўыллық елатлы пунктлериниң) жерлери
56-статья. Қала ҳәм поселкалар жерлериниң қурамы Қала ҳәм поселкалардың ҳәкимшилик шегараларындағы барлық жерлер қала ҳәм поселкалардың жерлери болып есапланады. Бул жерлердиң қурамына төмендегилер киреди: 1) қала ҳәм поселка қурылысы жерлери; 2) улыўма пайдаланыўдағы жерлер; 3) аўыл хожалығында пайдаланылатуғын жерлер ҳәм басқа жерлер; 4) терекзарлар менен бәнт жерлер; 5) санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа мақсетлерге арналған жерлер; 6) қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың жерлери; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 7) суў қоры жерлери; 8) резерв жерлер. 57-статья. Елатлы пунктлердиң шегарасы. Қала әтирапы зоналары Елатлы пунктлердиң шегарасы - қала, поселка, аўыллық елатлы пункт жерлерин басқа жерлерден ажыратып турыўшы сыртқы шегарасы болып табылады. Елатлы пунктлердиң шегарасын белгилеў тастыйықланған қала қурылысы ҳәм жер дүзиў ҳүжжетлери тийкарында әмелге асырылады. Елатлы пунктлердиң шегарасы юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкаларының шегаралары бойынша белгилениўи тийис. Қала әтирапы зоналары қала менен бирге жәмийетлик, тәбийий ҳәм хожалық аймағын қурайтуғын қала шегарасынан сырттағы жерлерди өз ишине алады. Қала әтирапы зоналарында қала әтирапындағы аўыл хожалығы өндириси аймағы, турғынлардың дем алыў зоналары, қаланы раўажландырыў ушын резерв жерлер ажыратылады. Қала әтирапы зоналарының шегаралары ҳәм ҳуқықый режими нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 58-статья. Қала ҳәм поселкаларда жер участкаларын бериў, алып қойыў ҳәм қайта сатып алыў тәртиби Қала ҳәм поселкаларда жер участкалары район ямаса қала ҳәкиминиң қарарына тийкарланып бериледи, бул қарарларда жобаластырыў ҳәм қурылыс алып барыўдың тастыйықланған жойбарларына муўапық жерлерге ийелик етиўге, пайдаланыўға ҳәм ижараға бериў шәртлери белгиленеди. Юридикалық шахслар өзлерине бекитилген жерлерден район ямаса қала ҳәкиминиң қарарына муўапық басқа юридикалық шахсларға, пуқараларға жер участкаларын ўақытша пайдаланыўға бериўи мүмкин. Қалаларда ҳәм поселкаларда жер участкаларын алып қойыў, қайта сатып алыў усы Нызамның 36-статьясына муўапық әмелге асырылады. Қалаларда, поселкаларда аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы кәрханалары, мәкемелери ҳәм шөлкемлериниң аўыл хожалық мақсетлери ушын пайдаланылатуғын жерлерин ҳәм басқа да жерлерди алып қойыў усы Нызамның 36-статьясында белгиленген тәртипте район, қала ҳәкиминиң ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарарлары менен тастыйықланады. Пуқаралар ийелигиндеги, көп жыллық терекликлер ийелеген жер участкаларын алып қойыў ямаса пуқараларға меншик ҳуқықы тийкарында қараслы болған турақ-жайларды бузыў менен байланыслы ҳалда жер участкаларын алып қойыў усы Нызамның 83-статьясына муўапық әмелге асырылады. 59-статья. Қала ҳәм поселка қурылысы жерлери Қала ҳәм поселка қурылысы жерлерине турақ-жай, коммуналлық-турмыс, мәдений-ағартыў, санаат, саўда, ҳәкимшилик ҳәм басқа да имарат ҳәм қурылған ҳәм қурыў ушын берилген барлық жерлер киреди. Қала ҳәм посёлка қурылысы жерлери турақ жай, мәдений-турмыс, санаат объектлерин қурыў ҳәм капитал қурылыстың басқа түрлери ушын, сондай-ақ, жеке тәртипте турақ-жай қурыў ушын усы Нызамда белгиленген тәртипте бериледи. (52-статьяныӊ 2-бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Қала ҳәм поселканың қурылысы ушын ажыратылған, бирақ ўақытша бул мақсетте пайдаланылмай турған жерлери жеңил түрдеги объектлер (саўда шақапшалары, киши дүканлар, реклама қурылмалары ҳәм т.б.) қурыў ҳәм басқа мүтәжликлер ушын ўақытша пайдаланыўға қала ямаса район ҳәкиминиң қарары менен берилиўи мүмкин. Жер участкасының ямаса ондағы имараттың анаў ямаса мынаў бөлеги коммунал хызметтен (жақтылық, канализация, трубопровод, суўғарыў қурылмалары ҳәм т.б.), жер участкаларының ийелери ямаса оннан пайдаланыўшылар болса еркин ҳалда өзинше ямаса транспортта кирип-шығыў мүмкиншилигинен айырылып қалатуғын болса, жер участкасының бөлиниўине жол қойылмайды. Егер жер участкасына хожалық имаратлары (гараж, ат қора, қоймахана, амбархана, жер төле ҳәм т.б.) қурыў усы участкада жайласқан юридикалық шахслар ямаса турақ-жайларда жасаўшы физикалық шахслардың мәплерине зыян келтирсе, бундай қурылысты әмелге асырыўға жол қойылмайды. Тәбийғый апатшылық ямаса басқа да себеплер менен имарат бузылса, оның ийеси бузылған күннен баслап еки жылдан кешиктирмей имаратты тиклеўге ямаса сол участкада жаңа имарат қурыў басланса, бузылған имарат меншик ийесиниң жер участкасына ийелик етиў ямаса оннан пайдаланыў ҳуқықын сақлап қалады, қаланы ямаса поселканы жобаластырыў ҳәм оны қурыў жойбарында сол жер участкасынан басқаша тәризде пайдаланыў нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. Бундай жағдайда бузылған имараттың меншик ийесине сол қала, поселка шегарасында басқа жер участкасы ямаса басқа абаданластырылған турақ-жай бериледи. 60-статья. Көп ханалы үйлер әтирапындағы жер участкалары Көп ханалы үйлер әтирапындағы жер участкалары сол үйлерди басқарыўды әмелге асырыўшы шөлкемлерге турақлы пайдаланыў ушын бериледи. Көп ханалы үйлер әтирапындағы жер участкаларынан пайдаланыў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 61-статья. Елатлы пунктлердиң улыўма пайдаланыўдағы жерлери Елатлы пунктлердиң улыўма пайдаланыўдағы жерлерине төмендегилер киреди; майданлар, көшелер, өтиў жолы, жоллар, суўғарыў тармағы, жағалаўлар ҳәм т.б.; халықтың мәдений-турмыс мүтәжликлерин қанаатландырыў ҳәм дем алыў ушын пайдаланатуғын жерлер (терекликлер, бағлар, сейил майданлары, қыябанлар, сондай-ақ салма тармақлары ийелеген жерлер); коммуналлық-турмыс әҳмийетине ийе (қәбиристанлар, шығындыларды зыянсызландырыў ҳәм олардан пайдаланыў ҳәм т.б. жерлер). Улыўма пайдаланыўдағы жерлер анық бир юридикалық ҳәм физикалық шахсларға бекитип қойылмайды ҳәм тиккелей қала, районның мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ықтыярында болады. Елатлы пунктлердеги суў ҳәўизлериниң жағалаўлары ҳәм саға аймақлары биринши нәўбетте дем алыў ҳәм спорт мақсетлеринде қолланылады. Улыўма пайдаланыўдағы жерлерде бул жер қандай мақсетте хызмет қылса, тек ғана соған туўры келетуғын имарат ҳәм қурылмалар қурыўға рухсат етиледи. Жоллар ҳәм салма тармақлары ийелеген жерлерден тысқары улыўма пайдаланыўдағы жерлерден ямаса қала ҳәкиминиң қарарына муўапық юридикалық шахслар ҳәм пуқараларға жеңил имарат ҳәм қурылмаларды (саўда шақапшалары, киши дүкәнлар, реклама қурылмалары ҳәм т.б.) қурыўда ўақытша пайдаланыўға ижара шәртлери тийкарында жер участкалары берилиўи мүмкин. 62-статья. Қалалар ҳәм поселкалардағы аўыл хожалығында пайдаланылатуғын ҳәм басқа да жерлер Қалалар ҳәм поселкалардағы аўыл хожалығында пайдаланылатуғын ҳәм басқа да жерлерге аўыл хожалығы кәрханалары, мәкеме ҳәм шөлкемлериниң ийелигиндеги сүрим жерлер, бағлар, жүзим, тут, мийўе ағашлары, шарбақлар, питомниклер, жайлаўлар, пишенликлер, суўғарыў, изей қашырыў ҳәм жол тармағы, имаратлар, ҳәўлилер, майданлар ийелеген ҳәм басқа да жерлер киреди. Қалалар ҳәм поселкалардың шегарасындағы аўыл хожалығында пайдаланылатуғын ҳәм басқа да жерлерге аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы кәрханалары, мәкеме ҳәм шөлкемлери турақ жайлар, мәдений-турмыс ҳәм өндирислик имаратларды қурыўды қала ямаса район ҳәкими менен келисилген ҳалда әмелге асырады. 63-статья. Қалалардағы терекликлер ийелеген жерлер Қалалардағы терекликлер ийелеген жерлер халықтың дем алыўын шөлкемлестириўге, қаладағы микроықлымды, атмосфера ҳаўасының жағдайын ҳәм санитария-гигиена шараятларын жақсылаўға, халықтың мәдений-эстетикалық мүтәжликлерин қанаатландырыўға, қала аймағын суў ҳәм самал эрозиясынан қорғаўға арналады. Олардың қурамындағы тереклер менен қапланбаған жер участкаларынан спорт майданшаларын шөлкемлестириў ҳәм басқа да мүтәжликлер ушын пайдаланылады. 64-статья. Қалалар ҳәм поселкалардағы санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа да мақсетлерге арналған жерлер Қалалар ҳәм поселкалардағы санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа да мақсетлерге арналған жерлерге тийисли ўазыйпаларды орынлаў ушын кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм пуқараларға пайдаланыўға берилген жерлер киреди. Пайдаланыў ушын берилетуғын жер участкасында жайластырылыўы шәрт болған имарат ҳәм қурылмалар дизими жер участкасын ажыратыў ушын талапнама берилген ўақытта басланғыш мағлыўматларда белгиленеди. Пайдаланыў дәўиринде қосымша имаратлар ҳәм қурылмаларды жайластырыў қала ҳәм район ҳәкими усы жумыслар бойынша қосымша қарар қабыл еткеннен соң әмелге асырылады. 65-статья. Аўыллық елатлы пунктлердиң жерлери Аўыллық елатлы пунктлердиң жерлерине жер дүзиў тәртибинде усы пунктлер ушын белгилеп қойылған шегералар дөгерегиндеги барлық жерлер киреди. Аўыллық елатлы пунктлердиң жерлерине төмендегилер киреди; 1) аўыллық елатлы пунктлердиң аўыллар аймағындағы жерлери; 2) аўыллық елатлы пунктлердиң аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы кәрханалары, мәкеме ҳәм шөлкемлери аймағындағы жерлери. Аўыллық елатлы пунктлердиң шегарасы районлардың мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен оларды жобаластырыў, қурыў ҳәм ишки хожалық жер дүзиў жойбарларына муўапық белгиленеди ҳәм өзгертиледи. Аўыллық елатлы пунктлердиң жерлеринен пайдаланыў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. Аўыллық елатлы пунктлердиң аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы кәрханалары, мәкеме ҳәм шөлкемлери аймағындағы жерлери қала шегарасына киргизилген жағдайда, аўыл хожалығына арналған жерлер қурамынан шығарылады ҳәм қаланың тийисли жерлери қурамына киргизиледи. Бунда айырым имарат ҳәм қурылмалар, оларды абаданластырыў ушын зәрүр болған жер участкалары менен бирге, аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы кәрханалары, мәкеме ҳәм шөлкемлериниң қәлеўине қарай өзлеринде турақлы пайдаланыў ушын қалдырылыўы мүмкин, қалған имарат ҳәм қурылмалардың баҳасы ҳәм сол елатлы пунктлер аймағында жумсалған басқа қәрежетлер жер ийелерине ҳәм жерден пайдаланыўшыларға жергиликли бюджеттен төленеди.VIII-БАП. Санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа да мақсетлерге арналған жерлер.
66-статья. Санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа да мақсетлерге арналған жерлердиң қурамы Санаат мақсетлерине арналған жерлер қурамына санаат кәрханаларына, соның ишинде кән санааты, энергетика кәрханаларына өндирислик ҳәм жәрдемши имарат ҳәм қурылмалар қурыў ушын турақлы пайдаланыўға берилген жерлер киреди. Транспорт мақсетлерине арналған жерлер қатарына темир жол, ишки суў транспорты, автомобиль, ҳаўа ҳәм трубопровод транспорты кәрханалары, мәкеме ҳәм шөлкемлерине транспорт қурылмалары ҳәм басқа объектлеринен пайдаланыў, сақлаў, қурыў, реконструкциялаў, ремонтлаў, жетилистириў ҳәм раўажландырыў саласында оларға жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын турақлы пайдаланыўға берилген жерлер киреди. Байланыс мақсетлерине арналған жерлерге байланыс линияларын ҳәм оларға тийисли қурылмаларды жайластырыў ушын байланыс, радиоеситтириў, телевидение ҳәм мәлимлеме кәрханалары, мәкемелери ҳәм шөлкемлерине турақлы пайдаланыўға берилген жерлер киреди: Транспорт мақсетлерине арналған жерлерге, кабель, радиореле ҳәм байланыс ҳаўа линиялары ҳәм электр узатқыш линиялары өткен жерлерге тутас жерлерде нызам ҳүжжетлери менен белгиленген тәртипте қорғаў зоналары орнатылады. Қураллы күшлер, шегара, ишки ислер ҳәм темир жол әскерлериниң әскерий бөлимлери, әскерий оқыў орынлары, кәрханалары, мәкеме ҳәм шөлкемлериниң жайласыўы ҳәм турақлы жумыс ислеўи ушын берилген жерлер қорғаныў мүтәжликлери ушын арналған жерлер деп тәрийпленеди. Басқа мақсетлерге арналған жерлер қатарына кәрханалар, мәкеме ҳәм шөлкемлер пайдаланып киятырған, аўыл хожалығына арналған жерлер, елатлы пунктлердиң жерлери, санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў, тәбиятты қорғаў, саламатландырыў, рекреация мақсетлерине арналған ҳәм тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлер, сондай-ақ тоғай ҳәм суў қорлары жерлери қурамына кирмеген қалған барлық жерлер киреди. Санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа мақсетлерге арналған жерлерден пайдаланыў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 67-статья. Санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа да бағдардағы кәрханалар, мәкемедер ҳәм шөлкемлерге жер бериў Санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа да бағдардағы кәрханалар мәкеме ҳәм шөлкемлерге пайдаланыў ушын жер бериў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. Санаат, транспорт, байланыс ҳәм халық хожалығының басқа да тармақларының кәрханалары, мәкеме ҳәм шөлкемлери, өзлери пайдаланбай турған жерлерин район ҳәм қала ҳәкимлериниң қарарына муўапық нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте ҳәм шәртлерде юридикалық ҳәм физикалық шахсларға ўақытша пайдаланыўға береди.IX-бап. Тәбиятты қорғаў, саламатландырыў, рекреация мақсетлерине арналған жерлер ҳәм тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлер
68-статья. Тәбиятты қорғаў, саламатландырыў, рекреация мақсетлерине арналған жерлер ҳәм тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлер қурамы Тәбиятты қорғаў, саламатландырыў ҳәм рекреация мақсетлерине арналған жерлер қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ийелеген жерлерден ибарат болады. Тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлер материаллық мәдений мийрас объектлери жайласқан жерлерден ибарат болады. Жерлерди тәбиятты қорғаў, саламатландырыў ҳәм рекреация мақсетлерине арналған жерлер ҳәм тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлер қатарына киргизиў тәртиби нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди. 69-статья. Тәбиятты қорғаў мақсетлерине арналған жерлер Тәбиятты қорғаў мақсетлерине арналған жерлер қатарына мәмлекетлик қорықханалардың, комплекс (ландшафт) буйыртпа қорықханаларының, тәбият бағларының, мәмлекетлик тәбият естеликлериниң, айырым тәбийғый объектлер ҳәмде комплекслерди сақлап қалыў, қайта көбейтиў ҳәм тиклеў ушын арналған аймақлардың, қорғалатуғын ландшафтлардың, айырым тәбийғый ресурсларды басқарыў ушын арналған аймақлардың, мәмлекетлик биосфера резерватларының, миллий бағларының нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тәбиятты қорғаў мақсетлери ушын берилген жерлери киреди. Бул жерлерде олардың белгиленген мақсетине қайшы келетуғын ҳәр қандай ис-ҳәрекетлер қадаған етиледи. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларға кери тәсириниң алдын алыў мақсетинде мәмлекетлик қорықханалар, буйыртпа қорықханалар ҳәм мәмлекетлик тәбият естеликлери әтирапында, олардың режимине бойсыныўды тәмийинлеўге зыянлы тәсир ететуғын хожалық жумысы ҳәм басқа жумыслар шекленген ямаса қадаған етилген ҳалда қорғаў зоналары шөлкемлестириледи. Миллий бағлардың жерлери мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик мүтәжликлер ушын алыныўға жол қойылмайды. Тәбиятты қорғаў мақсетлерине арналған жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тәртиби нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди. 70-статья. Саламатландырыў мақсетлерине арналған жерлер Саламатландырыў мақсетлерине арналған жерлер қатарына кеселликлердиң алдын алыўды ҳәм оларды емлеўди шөлкемлестириў ушын қолай тәбийғый факторларға, шыпалы ҳәм саламатландырыў қәсийетлерине ийе болған, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте тийисли юридикалық шахсларға пайдаланыўға берилген жерлер киреди. Бул жерлерде олардың белгиленген мақсетине қайшы келетуғын ҳәр қандай жумыс қадаған етилген. Халықтың емлениўи ҳәм дем алыўы ушын зәрүр шараятларды, сондай-ақ тәбийғый шыпалы ҳәмде саламатландырыў қәсийетлери қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде саламатландырыў мақсетлерине арналған жерлерде курорт тәбийғый аймақлардың режими белгиленеди. Саламатландырыў мақсетлерине арналған жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тәртиби нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди. 71-статья. Рекреация мақсетлерине арналған жерлер Рекреация мақсетлерине арналған жерлер қатарына туризмди ҳәм халықтың ғалаба дем алыўын шөлкемлестириў ушын жарамлы географиялық ҳәм ықлым шараятларына ийе болған, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте юридикалық ҳәм физикалық шахсларға турақлы пайдаланыўға ямаса ижараға берилген жерлер киреди. Бул жерлерде олардың белгиленген мақсетине қайшы келетуғын ҳәр қандай жумыс қадаған етиледи. Рекреация мақсетлерине арналған жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тәртиби нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди. 72-статья. Тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлер арийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлер қатарына тийисли юридикалық шахсларға турақлы пайдаланыўға берилген мәдений мийрас объектлериниң жерлери киреди. Бул жерлерде олардың белгиленген мақсетине қайшы болатуғын ҳәр қандай жумыс қадаған етиледи. Материаллық мәдений мийрас объектлериниң өзгертилиўи мүмкин болмаған өзине сай өзгешеликлерин ҳәм оның тарийхый орталығын сақлап қалыў мақсетинде оған тутас аймақта қорғаў зоналары, имаратлар қурыўды ҳәм хожалық жумысларын тәртипке салыў зоналары, корғалатуғын тәбийғый ландшафт зоналар белгиленеди. Тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлерди ажыратыў ҳәм олардан пайдаланыў, оларға тутас аймақларда қорғаў зоналарын, имаратлар қурыўды ҳәм хожалық жумысларын тәртипке салыў зоналарын, қорғалатуғын тәбийғый ландшафт зоналарды белгилеў ҳәм оларды қорғаў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар IX-бап жаңа редакцияда баян етилген)X-БАП. Тоғай қоры, суў қоры жерлери ҳәм резерв жерлер
73-статья. Тоғай қоры жерлери Тоғай хожалығы мүтәжликлери ушын берилген жерлер тоғай қоры жерлери деп аталады. Басқа мақсетлерге арналған жерлер тоғайлықлар жаратыў, жарлықлардың кеңейиўин тоқтатыў, қала ҳәм санаат орайлары әтирапында қорғаўшы тоғайлықлар ҳәм көклемзар зоналар пайда етиў ушын белгиленген тәртипте тоғай қоры жерлериниң қурамына өткерилиўи мүмкин. Район ҳәкими тоғай хожалығының мәмлекетлик уйымлары менен келисип, тоғай қорының жерлерин аўыл хожалығын жүргизиў ушын аўыл хожалық кәрханаларына, мәкеме ҳәм шөлкемлерине ўақытша пайдаланыў ушын ижара шәртлери тийкарында бериўи мүмкин. Тоғай қорының жерлеринен пайдаланыў тәртиби арнаўлы нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 74-статья. Суў қоры жерлери Суў ҳәўизлери (дәрьялар, көллер, суў сақлағышлар ҳәм т.б.), гидротехникалық ҳәм басқа да суў хожалығы қурылмалары ийелеп турған, сондай-ақ суў ҳәўизлериниң ҳәм басқа да суў объектлериниң жағаларын бойлап ажыратылған аймақтағы кәрханалар, мәкеме ҳәм шөлкемлерге суў хожалығының мүтәжликлери ушын белгиленген тәртипте берилген жерлер суў қоры жерлери қатарына киреди. Дәрьялар, магистрал каналлар, коллекторлар, суў сақлағышлар ҳәм басқа да суў ҳәўизлериниң жағалаўлары тәбиятты қорғаў мүтәжликлери ушын жер ийелеринен ҳәм жерден пайдаланыўшылардан алып қойылыўы мүмкин. Суў қоры жерлеринде суў объектлерине кери тәсир көрсететуғын хожалық жумысларын жүргизиў ҳәм қурылыс жумысларын алып барыў қадаған етиледи. Суў қоры жерлеринен пайдаланыў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 75-статья. Резерв жерлер Усы Нызамның 7-статьясының 1-7-бәнтлеринде көрсетилген жер қоры категорияларына киргизилмеген ҳәм юридикалық және физикалық шахсларға ийелик етиў, пайдаланыў ушын, ижараға ҳәм меншик етип берилмеген (реализация етилмеген) барлық жерлер резерв жерлер болып есапланады. Резерв жерлер районлық, қалалық ҳәкимият уйымларының бийлигинде болады ҳәм усы Нызамға муўапық тийкарынан аўыл хожалығы мақсетлери ушын ийелик етиўге, пайдаланыўға ҳәм ижараға бериўге қаратылады.XI-БАП. Жерлерди қорғаў
76-статья. Жерлерди қорғаўдың мазмуны ҳәм тәртиби Жерлерди қорғаў олардан мақсетке муўапық, ақылға уғрас пайдаланыў, топырақ өнимдарлығын, тоғай қоры жерлериниң нәтийжелилигин тиклеў ҳәм арттырыў, аўыл хожалық айланысынан ҳәм тәбиятты қорғаў, саламатландырыў, рекреация мақсетлерине арналған жерлер ҳәм тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлер қурамынан жерлердиң тийкарсыз түрде алып қойылыўының алдын алыў, оларды зыянлы антропоген тәсирден қорғаўға қаратылған ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик, экономикалық, технологиялық ҳәм басқа да илажлар системасын өз ишине алады. (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Жерлерди қорғаў жерлерге қурамалы тәбийғый дүзилмелер (экосистемалар) сыпатында, олардың зоналық ҳәм аймақлық айырмашылықларын итибарға алған ҳалда ҳәр тәреплеме ҳәрекет етиў негизинде әмелге асырылады. Жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў системасы тәбиятты қорғаў ҳәм ресурсларды үнемлеў тәризинде болыўы ҳәм топырақтың сақланыўын, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясына, геология жынысларына ҳәм қоршаған орталықтың басқа да қурамалы бөлеклерине тәсир етиўин шеклеўди нәзерде тутыў керек. Жерлердиң қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылар; аймақты ақылға уғрас шөлкемлестиреди; топырақ өнимдарлығын, сондай-ақ жердиң басқа да қәсийетлерин тиклейди ҳәм арттырады; жерлерди суў ҳәм самал эрозиясынан, селлерден, суў басыўдан, изейлениўден қайта шор басыўдан, кеўип кетиўден, тығызланыўдан, өндирислик шығындылар, химиялық ҳәм радиоактивлик затлар менен патасланыўдан, ыдыраўға алып келиўши басқа да процесслерден қорғайды; аўыл хожалық жерлерин путақ ҳәм майда тоғайлықлар, жабайы шөплердиң басып кетиўинен ҳәм жерлердиң мәдений-техникалық жағдайын төменлетиўши басқа да процесслерден қорғайды; топырақ өнимдарлығын басқа усыллар менен тиклеў мүмкин болмаған жағдайда, бул жерлерди консервациялайды; бузылған жерлерди қайтадан егислик жерлерге айландырады, олардың өнимдарлығын ҳәм басқа да пайдалы қәсийетлерин арттырады; жер қабатының бузылыўы менен байланыслы болған жумысларды әмелге асырыўда топырақтың өнимдарлы қатламын кесип алып, оннан пайдаланады ҳәм сақлап қалады. Мәмлекетлик уйымлар жерлерди қорғаў бойынша республикалық бағдарлама ҳәм аймақлық бағдарламалар дөгерегинде тийисли илажларды көреди. Зүрәәттен қалған аўыл хожалық жерлерин консервациялаў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 77-статья. Объектлер, имаратлар ҳәм қурылмаларды жайластырыў, жойбарлаў, қурыў ҳәм олардан пайдаланыўдың экологиялық талаплары Объектлер, имаратлар ҳәм қурылмаларды жайластырыў, жойбарлаў, қурыў ҳәм олардан пайдаланыўдың экологиялық талаплары тәбиятты қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. Жаңа ҳәм реконструкцияланған объектлерди, имарат ҳәм қурылмаларды жайластырыў, жойбарлаў, қурыў ҳәм иске түсириў, сондай-ақ жерлердиң жағдайына кери тәсир көрсететуғын жаңа технологияларды енгизиўде жерлерди қорғаў илажлары нәзерде тутылады ҳәм әмелге асырылады. Жерлердиң жағдайына иске түсирилип атырған объект ямаса енгизилип атырған технологияның кери тәсирин ҳәм жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша нәзерде тутылған илажлардың нәтийжелилигин баҳалаў экологиялық экспертиза тикарында өткериледи. Жерлердиң жағдайына тәсир ететуғын объектлерди жайластырыў нызамшылықта белгиленген тәртипте тәбиятты қорғаў, аўыл хожалығы, қурылыс уйымлары ҳәм басқа да уйымлар менен келисип алынады. (77-статьяныӊ 5-бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 78-статья. Химиялық ямаса радиоактив затлар менен патасланған жерлерден пайдаланыў Химиялық ямаса радиоактив затлар менен патасланыў нәтийжесинде экологиялық ҳәм санитариялық-гигиеналық талапларға жуўап беретуғын өним алыў тәмийинленбейтуғын жер участкалары аўыл хожалығы айланысынан шығарылыўы тийис ҳәм консервация етиў ушын оларды резерв жерлер қатарына өткериў мүмкин. Бундай жерлерде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм реализация етиў қадаған етиледи. Химиялық ямаса радиоактив затлар менен патасланған жерлерден пайдаланыў, қорғаў зоналарын белгилеў, бундай жерлерде турақ жай, өндирислик ҳәм социаллық мәдений объектлерди сақлаў, оларда мелиорация ҳәм агротехника жумысларын өткериў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 79-статья. Жерлерден ақылға уғрас пайдаланыўды ҳәм оларды қорғаўды экономикалық жақтан хошаметлеў Жерлерден ақылға уғрас пайдаланыўдың ҳәм оларды қорғаўдың экономикалық хошаметлениўи жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылардың топырақ өнимдарлығын сақлаў ҳәм тиклеў, жерлердиң өндиристиң унамсыз ақыбетлеринен сақланыўынан мәпдарлығын арттырыўға қаратылған болып, өз ишине төмендегилерди алады; жаңадан өзлестирилип атырған ҳәм мелиоратив жағдайын жақсылаў процессинде турған суўғарылатуғын жерлерге нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жер салығы бойынша жеңилликлер бериў; жерлерди қорғаў ҳәм қайта тиклеў бойынша ис жүргизиўши юридикалық ҳәм физикалық шахсларға аз шығынлы ҳәм ресурс үнемлеўши технологияларды енгизиўде салық, кредит ҳәм басқалар бойынша жеңилликлер бериў; жерлердиң сапасын жақсылаў, илимий тийкарланған егис айланысын енгизиў, аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығына арналған жерлердиң өнимдарлығын арттырыўды, экологиялық таза өним жетистириўди хошаметлеў; жер ийелериниң, жерден пайдаланыўшылардың ҳәм ижарашылардың айыбысыз бузылған жерлерди қайта тиклеў ушын зәрүрлик болған жағдайда республика бюджетинен қаржы ажыратыў, агротехника, тоғай мелиорациясы илажлары ҳәм топырақты қорғаў бойынша басқа да илажлар көриў; жер ийлериниң, жерден пайдаланыўшылардың ҳәм ижарашылардың айыбысыз бузылған участкаларды ўақытша консервациялаў нәтийжесинде олардан түсетуғын дәраматтың кемейиўин мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан бир бөлегин қаплаў; нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа да илажлар. Жерлерден ақылға уғрас пайдаланыўды ҳәм оларды қорғаўды экономикалық хошаметлеў менен байланыслы илажларды әмелге асырыў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди.XII-БАП. Жер участкаларын ажыратыў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен қадағалаў
(XII-БАПтыӊ атамасы Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында)
80-статья. Жер участкаларын ажыратыў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен қадағалаўды әмелге асырыўдың тийкарғы ўазыйпалары Жер участкаларын ажыратыў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен қадағалаўды әмелге асырыўдың тийкарғы ўазыйпалары нызамшылық талапларына физикалық ҳәм юридикалық шахслар, мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен әмел етилиўин тәмийинлеўден ибарат. (80-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында) 801-статья. Жер участкаларын ажыратыў, олардан пайдаланыў ҳәм де оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўы Жер участкаларын ажыратыў, олардан пайдаланыў ҳәм де оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм де арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен әмелге асырылады. Жер участкаларынан мақсетли пайдаланыў үстинен, жер участкаларына болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизиминен өткериўди әмелге асырмаўға, өз басымшалық пенен жер участкаларын ийелеп алыўға ямаса олардың шегараларын өзгертиўге, жерлердиң категориясына қарамастан, барлық түрдеги имаратлар ҳәм қурылмаларды өз басымшалық пенен қурыўға жол қоймаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў хожалық журитиўиши субъектлер жумысын тексериў есапланбайды. Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлары жер участкаларын ажыратыў менен байланыслы зәрүр статистикалық мәлимлемени, аналитикалық материалларды, ҳүжжетлерди, басқа мәлимлемени, қарарларды ҳәм тағы басқа да ҳүжжетлерди, сондай-ақ ашық таңлаўларға ҳәм электрон онлайн-аукционларға тийисли мәлимлемени мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлеринен ямаса олардың лаўазымлы шахсларынан қалыс тийкарда сораў ҳәм алыўға ҳақылы. Мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслар соралып атырған мәлимлемени арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымларына бес жумыс күни ишинде усыныўы керек. (801-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы редакциясы тийкарында) 81-статья. Жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен қадағалаўды әмелге асырыўшы уйымлар Пуқаралар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, ғалаба хабар қураллары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери жер участкаларын ажыратыў, олардан ақылға уғрас ҳәм мақсетли пайдаланыў ҳәм де оларды қорғаў үстинен жәмийетлик қадағалаўын өз ўәкилликлери шеңберинде әмелге асырыўға ҳақылы. (81-статьяныӊ 1-бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) (81-статьяныӊ 2-бөлими Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында алып тасланған) Тәбиятты қорғаў жәмийетлери, илимий жәмийетлер ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелер, сондай-ақ пуқаралар жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен қадағалаўды әмелге асырыўда мәмлекетлик уйымларға ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына жәрдемлеседи. (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеслери дийқан хожалықларының жер участкаларында ҳәмде қыйтақ жерлерден мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў, соның менен бирге жерлерге ислеў берилиўиниң жағдайы, тухымлар, нәллер ҳәм тереклердиң егилиўи, теплицалардың қурылыўы, шарўашылық ҳәм қусшылықтың раўажландырылыўы үстинен жәмийетлик қадағалаў ҳәмде үйлерди айланып шығыў арқалы турақлы түрде мониторинг алып барады. Фермер ямаса дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеслери Қарақалпақстан фермер ямаса дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине тийисли жер участкаларында мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги ҳаққында көрсетпелер бериўге ҳақылы. (29.06.2019-ж. 258/XXVI санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Жер участкаларын өз басымшалық пенен ийелеп алыў, жер участкаларынан мақсетсиз пайдаланыў, олардан тийисли ҳүжжетлерде көрсетилген нормалардан артықша тәризде нызамға қайшы тәризде пайдаланыў, нызамсыз объектлерди ҳәм қурылмаларды қурыў жағдайлары, жер қатнасықлары саласындағы надурыс пайдаланғанлығы ҳаққында фото ҳәм видео жазыў техникасынан пайдаланылған ҳалда тастыйықланған хабарлар ушын жәмийетлик қадағалаў субъектлери хошаметлениўи мүмкин. Жәмийетлик қадағалаў субъектлерин хошаметлеў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. (81-статьяныӊ 5 ҳәм 6 -бөлимлери Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында толықтырылған) 82-статья. Жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби Жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўшы мәмлекетлик уйымлар өз ўәкилликлери шеклеринде төмендеги ҳуқықларға ийе; жерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў мәселелери бойынша тексериўлер өткериў, бул мәселелер бойынша барлық зәрүр ҳүжжетлерди ҳәм материалларды алыў, топырақтың кадастр мағлыўматларына сәйкеслигин анықлаў мақсетинде топырақты тексериў; жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы себеплери ҳәм буған алып келген себеплерди анықлаўға қаратылған, барлық юридикалық ҳәм физикалық шахслар орынлаўы шәрт болған көрсетпелер (жазба түрдеги буйрықлар) бериў; айыплы лаўазымлы шахслар ҳәм пуқараларды ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў, жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы себепли келтирилген зыянды қаплаў бойынша даўалар бериў, айыпкерлерди жуўапкершиликке тартыў ушын тийисли кәрханалар, мәкеме ҳәм шөлкемлерге, сондай-ақ ҳуқық қорғаў уйымларына усыныслар жибериў; жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жер участкаларын алып қойыў, соның менен бирге жерлерди ижараға бериў шәртнамаларын мүддетинен бурын бийкарлаў ҳаққындағы, сондай-ақ жерлерден пайланыўды шеклеў ҳәм тоқтатып қойыў ҳаққында материалларды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына усыныў; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў мәселелери бойынша юридикалық ҳәм физикалық шахслардан тийисли мағлыўматлар алыў, усы мәселелер бойынша мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкеме, шөлкем басшыларының есабат ҳәм мағлыўматларын тыңлаў. Жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды алып барыў жумысларында қатнасыў ушын белгиленген тәртипте қәнигелерди тартыў. Жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўшы мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар: жер участкаларынан мақсетке муўапық пайдаланылыўын, жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылар тәрепинен жерлерди қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларының орынланыўын белгиленген тәртипте тексериў; жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм айыпкер шахсларды жуўапкершиликке тартыў бойынша өз ўақтында шаралар көриў; жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў, оларды қорғаў менен байланыслы илажлар бойынша өз ўәкилликлери дөгерегинде көрсетпелер бериўи шәрт. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша жумыслары жылына ең көби бир мәрте тексерилиўи мүмкин. Егер тексериўши уйым жерлерден ақылға уғрас пайдаланылмағанлығы ҳәм олардың қорғалмағанлығы себеплерин сапластырыў бойынша көрсетпелер берген болса, ол белгиленген мүддетте усы илажларды тексериўге ҳақылы. Жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен қадағалаўды әмелге асырыўшы уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар өз жумысларының дурыс шөлкемлесиўи ҳәм әмелге асырылыўы ушын нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкер болады.XIII-БАП. Жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, жер участкалары ижарашыларына меншик ийелерине келтирилген зәлелди ҳәм аўыл хожалығы, тоғай хожалығы өндирисиниң зыянын қаплаў
83-статья. Жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, жер участкалары ижарашыларына ҳәм меншик ийелерине келтирилген зәлелдиң орнын қаплаў Жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, жер участкалары ижарашыларына ҳәм меншик ийелерине зыянның орны (соның ишинде алынбаған пайда) төмендеги жағдайларда толық қапланыўы тийис: жерлер алып қойылған, қайта сатып алынған ямаса ўақтынша ийелеп турылғанда; суўды қорғаў зоналары, жаға бойы аймақлары, суў объектлериниң санитариялық қорғаў зоналары, жер үсти ҳәм жер асты суўларының пайда болыў зоналары, курорт тәбийғый аймақлар зоналары, мәмлекетлик биосфера резерватлары зоналары, мәмлекетлик қорықханалар, буйыртпа қорықханалары, мәмлекетлик тәбият естеликлери, материаллық мәдений мийрас объектлери, суў тасламалары, жоллар, трубопроводлар, байланыс ҳәм электр тартыў линиялары әтирапында қорғаў зоналары белгилениўине байланыслы олардың ҳуқықлары шекленгенде; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) суў ҳәўизлери, каналлар, коллекторлар, сондай-ақ аўыл хожалығы егинлери ҳәм тереклер ушын зыянлы затлар шығаратуғын басқа да объектлерди қурыў ҳәм олардан пайладаныўдың тәсири ҳәм юридикалық және физикалық шахслардың зүрәәттиң кемейиўине ҳәм аўыл хожалығы өниминиң сапасының төменлеўине алып келетуғын басқа да ҳәрекетлери ақыбетинде жерлердиң сапасы төменлеген жағдайда. Зыянның орны алып қойылатуғын жер участкалары ажыратып берилетуғын кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен, сондай-ақ жумысы жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, жер участкалары ижарашылары ҳәм меншик ийелериниң ҳуқықларының шеклениўине ямаса жақын әтираптағы жерлердиң сапасының төменлеўине алып келген кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қапланады. 84-статья. Аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндирисиниң шығынларының орнын қаплаў Аўыл хожалығы ҳәм тоғайлық жерлерди, соның ишинде физикалық шахслар меншигиндеги ҳәм пайдаланыўындағы аўыл хожалығы жерлерин аўыл хожалығын ҳәм тоғай хожалығын жүргизиў менен байланыслы болмаған мақсетлерде пайдаланыў ушын алып қойыў, жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылардың ҳуқықларының шеклениўи ямаса кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлер өндирисиниң тәсири ақыбетинде жерлердиң сапасының төменлеўине байланыслы аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндирисиндеги шығынлардың орны усы Нызамның 83-статьясында нәзерде тутылған зыянлар орнын қаплаўдан тысқары қапланады. Аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндирисиниң шығынлары төмендегилер тәрепинен қапланады: аўыл ҳәм тоғай хожалығын жүргизиў менен байланыслы болмаған мүтәжликлер ушын алып қойылатуғын аўыл хожалығы ҳәм тоғайлық жерлери ажыратып берилетуғын юридикалық ҳәм физикалық шахслар; жерлерди аўыл хожалығы ҳәм тоғайлық жерлер айланысынан шығарып ямаса жүдә жоқары баҳаға ийе болмаған жерлер қатарына өткерген ҳалда объектлериниң әтирапына қорғаў, санитариялық ҳәм қорғаныў зоналары орнатылған юридикалық ҳәм физикалық шахслар. Аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндирисиниң шығынлары төмендеги жағдайларда қапланбайды; жер участкалары жеке тәрептеги турақ жай қурылысы ҳәм турақ жайды абаданластырыў ушын алып қойылғанда; жер участкалары мектеп, интернат, балалар үйи, мектепке шекемги тәрбия ҳәм емлеў мәкемелерин қурыў ушын алып қойылғанда; жер участкалары суў хожалығына мелиоратив объектлер ҳәм гидротехникалық қурылмалар қурылысы ушын ажыратылғанда; қорғалатуғын тәбийғый аймақларды шөлкемлестириў ушын жер участкалары берилгенде; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Нызамларда юридикалық ҳәм физикалық шахслар аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндирисиниң шығынларын қаплаўдан азат етилген басқа жағдайлар да белгилениўи мүмкин. Аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндирисиндеги шығынлардың қапланыўы тийис болған орны, муғдары ҳәм оны анықлаў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 85-сатья. Аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндирисиндеги шығынлардың орнын қаплаў тәртибинде түсетуғын қаржылардан пайдаланыў Аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндирсиндеги шығынлардың орнын қаплаў тәртибинде түсетуғын қаржылар төмендеги мақсетке муўапық пайдаланылады; жаңа жерлерди өзлестириў ҳәм суўғарылатуғын жерлерди комплексли реконструкциялаў; топырақ өнимдарлығын арттырыў; коллектор-дренаж тармақларын қурыў ҳәм қайта қурыў, суўғарылатуғын жерлерди капитал тегислеў ҳәм олардың суў менен тәмийинлениўи дәрежесин арттырыў; пишензарлар ҳәм жайлаўларды түптен жақсылаў; жерлердиң алып қойылыўы ҳәм ажыратылыўына байланыслы бузылған жер дүзиў жойбары ҳәм басқа да ҳүжжетлерди дүзетиў ямаса таярлаў. Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген қаржылардан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарына муўапық аўыл хожалығы өнимин жетистириўди көбейтиўге қаратылған басқа да илажларды әмелге асырыўда да пайдаланылыўы мүмкин. Тоғай хожалығы өндирисиндеги шығынлардың орнын қаплаў тәртибинде түсетуғын қаржылар айрықша есапланып барылады ҳәм олардан тоғайлар ҳәм тоғай мийўели тереклерин пайда етиў ҳәм тиклеў, қумлы жерлер, суў ҳәўизлери ҳәм дәрьялардың жағалаўында терекликлер жаратыў, сондай-ақ тоғай жерлериниң жағдайын жақсылаўға қаратылған басқа да илажларды әмелге асырыў ушын пайдаланылады.XIV-БАП. Жерге байланыслы даўларды шешиў ҳәм жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкершилик
86-статья. Жерге байланыслы даўларды шешиў Юридикалық ҳәм физикалық шахслар ортасындағы жерге байлансылы даўлар суд тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шешиледи. 87-статья. Жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик Жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылар тәрепинен әмелге асырылған жер участкаларының алып-сатылыўы, оларды саўға етиў, гиреўге қойыў (жер участкасына мийрас етип қалдырылатуғын өмирликке ийелик етиў ҳуқықын, соның ишинде «ким зыят» саўдасы тийкарында алынған усындай ҳуқықты, сондай-ақ жер участкасын ижараға алыў ҳуқықын гиреўге қойыў буған кирмейди), жер участкаларын өз бетинше алмастырыў ҳақықый емес деп есапланады. Бундай келисимлерди әмелге асырыўда айыплы болған шахслар нызамға муўапық жуўапкершиликке тартылады. Төмендеги жағдайларда да айыпкер шахслар нызамда белгиленген тәритпте жуўапкер болады; жерлерден мақсетке муўапық пайдаланбаса; жер участкаларын өз бетинше ийелеп алса; аўыл хожалығы жерлерин ҳәм басқа да жерлерди жарамсыз ҳалға келтирсе, оларды химиялық ҳәм радиоактив затлар, өндирис шығындылары ҳәм ақаба суўлары менен патасландырса; жерлердиң жағдайына унамсыз тәсир көрсететуғын объектлерди жайластырса, қурса, жойбарласа, пайдаланыўға тапсырса; жерлерден пайдаланыўдың тәбиятты қорғаўға байланыслы талапларын орынламаса; ўақытша ийелеп турылған жерлерди қайтарыў мүддетин бузса ямаса жерлерди белгиленген мақсетке муўапық пайдаланыўға жарамлы жағдайға келтириўге байланыслы миннетлерди орынламаса; жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, ижарашыларға ҳәм жер ийелерине қараслы жер участкаларының шегаралаўшы белгилерин жоқ қылса; мәмлекетлик жер кадастры мағлыўматларын бузып көрсетсе; өз бетинше шөп орса ҳәм шарўа малларын бақса; жабайы шөплер ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў илажларын көрмесе; жерлерден парықсыз пайдаланса, жерлердиң жағдайын жақсылаў ҳәм топырақты суў ҳәм самал эрозиясынан, топырақ жағдайының төменлеп кетиўине алып келетуғын басқа да қубылыслардан сақлаў миннетлерин орынламаса; жер участкаларын бериў ҳаққында арзаларды қарап шығыўдың белгиленген мүддетлерин ҳәм тийисли тәртибин бузса; суўғарылатуғын жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыўға жол қоймаў бойынша илажлар көрмегенлиги ушын. (ҚР ЖК 16.12.2019-ж. 282 / XXIX -санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) 88-статья. Өз бетинше ийелеп алынған жерлерди қайтарыў Өз бетинше ийелеп алынған жер участкалары оларға нызамсыз түрде ийелик етилген ҳәм пайдаланылған ўақытта жумсалған қәрежетлер қапланбаған тәризде тийислилигине қарай қайтарылады. Жер участкаларынан пайдаланыў ушын жарамлы ҳалға келтириў, соның ишинде ондағы имаратларды бузыў, жер участкаларын өз бетинше ийелеп алған шахслар есабынан әмелге асырылады. Өз бетинше ийелеп алынған жер участкасын жер ийесине, жерден пайдаланыўшыға, жер участкасы ижарашысына ямаса меншик ийесине қайтарыў тийисли район ҳәм қала ҳәкиминиң, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарына муўапық ямаса судтың шешиўши қарарына муўапық әмелге асырылады. 89-статья. Жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеп алыў ақыбетлери Өз басымшалық менен ийеленген жер участкасына, сондай-ақ, аўыл хожалығына мөлшерленген, қурылыс мақсетлери ушын ажратылмаған жер участкасында қурылған ҳәр қандай имарат ҳәм қурылмаларға қарата меншик ҳуқықын ямаса басқа меншик ҳуқықларын белгилеўге жол қойылмайды, нызамда нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. Жер участкасын өз басымшалық пенен ийелеген, аўыл хожалығына мөлшерленген, қурылыс ушын ажратылмаған жер участкасында нызамсыз қурылыс объектин қурған шахслар ҳақ нийетли меншик ийеси деп тән алынбайды. Өз басымшалық пенен ийеленген жер участкаларындағы нызамсыз қурылыс объектлерин суў тәмийнаты, ақаба суў, электр, ыссылық энергиясы ҳәм газ тармақларына жалғаў қадаған етиледи. (89-статья Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында толықтырылған)