Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ ДЕПУТАТЫНЫҢ СТАТУСЫ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ ДЕПУТАТЫНЫҢ СТАТУСЫ ҲАҚҚЫНДА  (жаңа редакция)

 Бул редакция 14.05.2005-ж. 33/III-санлы ҚР Нызамы менен тастыйықланған

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 10.06.2016-ж. 92/IX-санлы ҚР Нызамы 11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы ҚР Нызамы 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы 19.12.2020-ж. 77/ХI-санлы ҚР Нызамы 07.04.2022-ж. 209/XXVII-санлы ҚР Нызамы 13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамы

  Усы Нызам Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатының (буннан былай текстте депутат деп жүргизиледи) ҳуқықларын, миннетлемелерин ҳәм депутатлық жумысының тийкарғы кепилликлерин белгилейди.

I-БАП УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР

1-статья. Депутат Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине (буннан былай тексте Жоқарғы Кеңес деп аталады) сайланған ҳәм «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынған Өзбекстан Республикасы пуқарасы депутат болып есапланады. 2-статья. Депутат жумысының ҳуқықый тийкарлары Депутат өз жумысын Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының Конституциялары, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамлары, усы Нызам ҳәм басқа да нызамларға муўапық әмелге асырады. (2-статьяныӊ текстине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 3-статья. Депутаттың ўәкиллик мүддети Депутат Жоқарғы Кеңестиң ўәкиллик мүддетине сайланады. Депутаттың ўәкилликлери төмендеги жағдайда мүддетинен бурын тоқтатылады: ол өз ўәкилликлерин тоқтатыў ҳаққында жазба арза берген жағдайда; ол нызамға муўапық депутаттың ўәкилликлерин әмелге асырыўға сәйкес келмейтуғын лаўазымға сайланған ямаса тайынланған жағдайда; оның қарсысына судтың айыпланыў ҳүкими нызамлы күшине кирген жағдайда: ол шақыртып алынған жағдайда; ол суд тәрепинен қатнасықларға уқыпсыз деп табылған жағдайда; ол судтың нызамлы күшине кирген қарары тийкарында дерексиз жоғалған деп табылған ямаса қайтыс болған деп жәрияланған жағдайда; ол Өзбекстан Республикасы пуқаралығын жойтқан жағдайда; ол қайтыс болған жағдайда. Айырым жағдайларда депутаттың ўәкилликлери Жоқарғы Кеңестиң қарарына муўапық мүддетинен бурын тоқтатылыўы мүмкин. Депутат деген жоқары атқа дақ түсириўши жүрис-турысы бундай мәселени көрип шығыў ушын тийкар болыўы мүмкин. 4-статья. Депутаттың гүўалығы ҳәм өңирге тағатуғын белгиси. Депутатта гүўалық ҳәм өңирге тағатуғын белги болады, бул гүўалық пенен белги оған депутат сыпатында дизимге алынғаннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен бериледи. Депутат гүўалық ҳәм өңирге тағатуғын белгиден өз ўәкилликлери мүддети даўамында пайдаланады. Депутаттың гүўалығы ҳәм өңирге тағатуғын белгиси ҳаққындағы үлги реже, сондай-ақ бундай гүўалық ҳәм белгиниң үлгилери және тәриплемеси Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланады.

II. ДЕПУТАТТЫҢ ҲУҚЫҚ ҲӘМ МИННЕТЛЕРИ

 5-статья. Депутаттың ҳуқықлары. Депутат Жоқарғы Кеңестиң сессиясында қаралып атырған барлық мәселелер бойынша шешиўши даўыс ҳуқықынан пайдаланады. Депутат: Жоқарғы Кеңестиң комитетлери ҳәм комиссияларына сайлаў ҳәм сайланыўға; Жоқарғы Кеңестиң сессияларында қарап шығыў ушын мәселелер усыныўға; Жоқарғы Кеңес сессиясының күн тәртиби, додаланып атырған мәселелерди қарап шығыў тәртиби ҳәм бул мәселелердиң әҳмийети бойынша усыныслар киргизиў ҳәм пикир билдириўге; қарар жойбарлары ҳәм оларға дүзетиўлер киргизиўге; Жоқарғы Кеңес тәрепинен дүзилетуғын комитетлердиң ҳәм комиссиялардың жеке қурамы ҳәм сайланатуғын, тайынланатуғын ямаса тастыйықланатуғын лаўазымлы шахслардың кандидатуралары бойынша пикир билдириўге; додалаўда қатнасыўға, баянатшы ҳәм басқарыўшыға сораўлар бериўге; депутат сораўы менен мүрәжат етиўге; өз усынысларын тийкарлап бериў ушын сөзге шығыўға ҳәм даўыс бериў себеплери бойынша түсиник бериўге; Жоқарғы Кеңес сессиясын басқарыўшыға додаланып атырған мәселе бойынша өз сөзи, усынысы ямаса пикириниң текстин тапсырыўға; өзи ағза болған Жоқарғы Кеңес комитетлериниң ҳәм комиссияларының қарарына қосылмаған жағдайда өз көз қарасын сессия мәжилисинде баян етиўге ямаса бул ҳаққында Жоқарғы Кеңес Баслығына жазба рәўиште билдириўге; республиканы раўажландырыў бағдарламаларының орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыўға; (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Жоқарғы Кеңеске есап бериўши ямаса оның қадағалаўы астындағы ҳәр қандай уйым ямаса лаўазымлы шахстың есабаты яки мәлимлемесин сессия мәжилислеринде тыңлаў ҳаққында усыныс киргизиўге; Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Нызамларының орынланыўы, сондай-ақ Жоқарғы Кеңес қарарларының орынланыўын тексериў ҳаққында қарап шығыў ушын мәселелер киргизиўге; сессия мәжилислериниң стенограммалары менен танысыўға; пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузыў жағдайлары ямаса нызам ҳүжжетлерин бузыўдың басқа жағдайлары анықланған жағдайда оларға шек қойыў шараларын көриў талабы менен тийисли уйымларға ҳәм лаўазымлы шахсларға мүрәжат етиўге ҳақылы. Депутат усы статьяның биринши ҳәм екинши бөлимлеринде нәзерде тутылған ҳуқықлардан тысқары, нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе ҳәмде Жоқарғы Кеңестеги депутатлар бирлеспеси жумысына қатнасыў ҳуқықына ийе. Депутат нызамларға муўапық басқа ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. 6-статья. Депутаттың миннетлери Депутат Жоқарғы Кеңестиң сессияларында, сондай-ақ Жоқарғы Кеңестиң қайсы комитети, комиссиясы қурамына сайланған болса, усы комитет, комиссияның мәжилислеринде белгиленген тәртипте жеке өзи қатнасыўы шәрт. Жоқарғы Кеңес сессиясында, комитет ҳәм комиссия мәжилислеринде қатнасыў имканияты болмаған жағдайда депутат бул ҳаққында Жоқарғы Кеңеске, комитет, комиссия баслығына алдын ала хабар етиўи шәрт. Депутаттың жуўапкершилигинде нызамларға муўапық басқа да ўазыйпалар болыўы мүмкин. 7-статья. Депутаттың сайлаўшылар менен, сиясий партия менен алып баратуғын жумыслары Депутат өз округы сайлаўшылары, оны депутатлыққа талабан етип көрсеткен сиясий партия менен байланыста болып турады, Жоқарғы Кеңесте олардың мәплерин сәўлелендиреди. Депутат өзине сайлаўшылардан түскен мүрәжатларды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қарап шығады, оларды шешиў илажларын көреди, физикалық шахсларды ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерин қабыл етеди.  (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Депутат ўақты-ўақты менен, бирақ жылына кеминде төрт мәрте сайлаўшыларға өз жумысы ҳаққында мәлимлеме береди. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Сиясий партиялар фракциялары ҳәр жылы Жоқарғы Кеңес Президиумы менен биргеликте депутатлардың сайлаўшылар менен сайлаў округларындағы жумыслары ушын мөлшерленген ўақытты белгилейди. Сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў ўақтында депутат: мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформалардың барысы, Жоқарғы Кеңестиң нызам дөретиўшилиги ҳәм қадағалаў-таллаў жумысы, сиясий партия фракциясының жумысы, оның мәмлекетти социаллық-экономикалық ҳәм де жәмийетлик-сиясий раўажландырыўдың ең әҳмийетли мәселелерине байланыслы көз қарасы ҳаққында сайлаўшыларға мәлимлеме береди; жаңа қабыл етилген нызамлардың мазмуны ҳәм әҳмийетин сайлаўшыларға жеткереди; қабыл етилген нызамлардың орынланыўы жағдайын ҳуқықтың қолланылыўы нәтийжелигин ҳәм нызам ҳүжжетлерин және де жетилистириў зәрүрлигин анықлаў мақсетинде үйренеди; сиясий партия фракциясы тәрепинен белгиленетуғын басқа ўазыйпаларды орынлайды. Сайлаўшылардың исенимин ақлай алмаған депутат нызамда белгиленген тәртипте шақырып алыныўы мүмкин. Сайлаўшылардың исенимин ақлай алмаған, сондай-ақ оны депутатлыққа талабан етип сиясий партия алдындағы өз миннетлерин орынламаған депутат нызамда белгиленген тәртипте шақырып алыныўы мүмкин. (13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 7¹-статья. Депутаттың сайлаў округындағы жумысларын шөлкемлестириў Жоқарғы Кеңестиң Президиумы депутаттың сайлаў округындағы жумысларын шөлкемлестириў бойынша сиясий партиялар фракцияларының пикирлери ҳәм усынысларын есапқа алған ҳалда илажлар көреди. Депутат сайлаў округына шығыўдан алдын сиясий партия фракциясы ҳәм де Жоқарғы Кеңес тәрепинен ҳүжжетлер, зәрүр ҳәм мағлыўмат материаллары менен тәмийинленеди. Нызамлардың орынланыўы, мәмлекетлик бағдарламаларын ҳәм де сиясий партиялардың бағдарланған мақсетлерин әмелге асырыў бойынша анық мәселелерди ислеп шығыў ушын сиясий партиялар фракциялары зәрүр болған жағдайларда өз депутатларының сайлаўшылар менен сайлаў округларындағы жумысларын шөлкемлестиреди. Сиясий партиялар фракциялары депутатлардың сайлаў округларындағы жумысларының жуўмақларын улыўмаластырады, зәрүр болған жағдайларда әҳмийетли мәселелерди Жоқарғы Кеңеске көрип шығыў ушын киргизеди. (10.06.2016-ж. 92/IX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) -статья. Депутаттың сайлаў округындағы жумысларын шөлкемлестириўге жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен көмеклесиў Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары депутатты сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў ушын зәрүр шәрт-шараятлар менен тәмийинлейди. Атқарыўшы ҳәкимият уйымлары имаратлар ажыратылыўын шөлкемлестиреди, пуқараларды депутаттың сайлаўшылар менен ушырасыўлары өткерилетуғын, депутат тәрепинен пуқаралар қабыл етилетуғын ўақыт ҳәм орын ҳаққында хабардар етеди, қабыллаўда ҳәм ушырасыўларда қатнасыў ушын өзиниң жуўапкер ўәкиллерин депутаттың усынысына муўапық жибереди, сондай-ақ депутаттың орынлардағы жумысына көмеклесиў бойынша басқа илажлар көреди. (10.06.2016-ж. 92/IX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) -статья. Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қарап шығыў Жоқарғы Кеңеске депутаттың сайлаў округинен келип түскен ҳәм Жоқарғы Кеңес тәрепинен көрип шығыў тапсырылған физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын депутатлар тәрепинен қарап шығыў нызамға муўапық әмелге асырылады. (10.06.2016-ж. 92/IX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)   8-статья. Депутатлық сораўнама (8-статьяныӊ атамасы Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Депутат мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыў уйымларының лаўазымлы шахсларына, әдетте, тийисли сайлаў округы сайлаўшыларының ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў менен байланыслы мәселелер бойынша тийкарланылған түсиник бериў ямаса көз қарасын баян етиў талабы менен сораў жибериўге ҳақылы. Мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыў уйымларының лаўазымлы шахслары депутат сораўына, егер басқа мүддет белгиленген болмаса, сораў алынған күннен баслап он күннен кешиктирмей жазба түрде жуўап жибереди. Депутатлық сораўына жуўапқа өз атына сораў жиберилген лаўазымлы шахс яки оның ўазыйпаларын ўақтынша атқарыўшы шахс тәрепинен қол қойылады. (19.12.2020-ж. 77/ХI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы судларының баслықлары, Прокуроры, сорастырыў ҳәм тергеў уйымлары басшылары атына жолланған депутат сораўы олардың жумыс жүргизиўиндеги белгили бир жумыслар ҳәм материалларға байланыслы болыўы мүмкин емес. (10.06.2016-ж. 92/IX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 9-статья. Депутатлық әдеплилик Депутат әдеплилик қәделерине қатаң бойсыныўы шәрт. Депутаттың өз статусынан пуқаралардың, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң нызамлы мәплерине зыян келтиретуғын тәризде пайдаланыўға жол қойылмайды. Депутатлық әдеплилик бузылған жағдайда депутаттың жүрис-турысы ҳаққындағы мәселе Жоқарғы Кеңес тәрепинен ямаса оның тапсырмасына муўапық Жоқарғы Кеңестиң тийисли комиссиясы тәрепинен қарап шығылыўы мүмкин.

III. ДЕПУТАТ ЖУМЫСЫНЫҢ ТИЙКАРҒЫ КЕПИЛЛИКЛЕРИ

10-статья. Депутаттың ҳуқықларын, абырайын ҳәм ар-намысын қорғаў Ҳәр бир депутатқа өз ўәкилликлерин тосқынлықсыз ҳәм нәтийжели әмелге асырыў ушын жағдайлар кепилленеди, оның ҳуқықлары, абырайы ҳәм ар-намасы қорғалады. Депутаттың абырайы ҳәм ар-намысына тийген шахслар нызамға муўапық ҳәкимшилик, жынайы ямаса басқа да жуўапкершиликке тартылады. Депутаттың намысына тийиў, сондай-ақ оған жала жабыў нызамда белгиленген жуўапкершиликке алып келеди. Депутатлық ўәкилликлерди әмелге асырыўға тосқынлық етиў мақсетинде депутатқа қандай тәризде болмасын тәсир жасаўға жол қойылмайды. Депутат алдындағы өз ўазыйпаларын орынламайтуғын, оның жумысына тосқынлық жасайтуғын, биле тура оған жалған мағлыўмат беретуғын, депутат жумысының кепилликлерин бузатуғын лаўазымлы шахслар нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкер болады. 11-статья. Депутаттың қол қатылмаслық ҳуқықы Депутат өз ўәкилликлери мүддет лаўазымына қол қатылмаслық ҳуқықына ийе болады. Жоқарғы Кеңестиң келисимисиз депутат жынаятлы жуўапкершиликке тартылыўы, иркиўге алыныўы, қамаққа алыныўы ямаса суд тәртибинде берилетуғын ҳәкимшилик жазаға тартылыўы мүмкин емес. Депутатты мәжбүрлеп алып келиўге, сондай-ақ оның турақ жайы, хызмет ханасы, жүгин, жеке ҳәм хызмет транспорт қуралларын, жазылмаларын, ол пайдаланып атырған байланыс қуралларын, сондай-ақ оған тийисли ҳүжжетлерди көзден өткериўге жол қойылмайды. Депутат Жоқарғы Кеңесте даўыс бериў пайтында пикир билдирилгенлиги ямаса көз қарасын баян еткенлиги ушын ҳәм өз ўәкилликлерин әмелге асырыўы менен байланыслы басқа ҳәрекетлери ушын жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин емес, сондай-ақ ўәкиллик мүддети тамамланғаннан соңда жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин емес. Егер усындай ҳәрекетлерине байланыслы депутат намысына тийиўге, жала жабыўға ямаса нызам ҳүжжетлеринде жуўапкерлик нәзерде тутылған басқа да нызам бузыўшылықларға жол қойған болса, ол қол қатылмаслық ҳуқықынан айрылған жағдайда жуўапкершиликке тартылады. 12-статья. Депутатты қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыў тәртиби Депутатты қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы мәселе Өзбекстан Республикасы Бас Прокурорының ямаса Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының усынысына муўапық Жоқарғы Кеңес тәрепинен он күн ишинде шешиледи. Сенатор етип сайланған депутатты қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыў мәселеси «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатының ҳәм Сенаты ағзасының статусы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамында белгиленген тәртипте шешиледи. Өзбекстан Республикасы Бас Прокурорының ямаса Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының депутатты жынайы жуўапкершиликке тартыў, иркиўге алыў, қамаққа алыў ямаса суд тәртибинде берилетуғын ҳәкимшилик жазаны қолланыўға келисим алыў ҳаққындағы усынысы Жоқарғы Кеңес тәрепинен қарап шығылады, Жоқарғы Кеңес сессиялары аралығындағы дәўирде оның Президиумы тәрепинен қарап шығылып, Президиумның усы мәселеге тийисли қарары кейин ала Жоқарғы Кеңес сессиясында тастыйықланады. Жоқарғы Кеңестиң ямаса оның Президиумының депутатты қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыўға келисим бериў мәселесине байланыслы қарары дәрҳал Өзбекстан Республикасы Бас Прокурорына ямаса Қарақалпақстан Республикасы Прокурорына жибериледи. Депутатты қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыўға келисим алған Өзбекстан Республикасы Бас Прокуроры ямаса Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры ис жүргизиў тамамланған күннен баслап үш күн мүддет ишинде Жоқарғы Кеңеске исти тергеў, судта қарап шығыў нәтийжелери ҳаққында хабар етиўи шәрт. Жоқарғы Кеңестиң депутатты қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыўға келисим бериўден бас тартыўы оған байланыслы жынайы исти жүргизиўди ямаса суд тәртибинде берилетуғын ҳәкимшилик жазаны нәзерде тутатуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында исти жүргизиўге жол қойылмайтуғын ҳәм бундай ислерди тоқтатыўға себеп болатуғын жағдай есапланады. Тийисли исти тоқтатыў ҳаққындағы қарар тек ғана жаңадан анықланған жағдайлар бар болса ғана бийкар етилиўи мүмкин. 13-статья. Депутаттың лаўазымлы шахслар тәрепинен дәрҳал қабыл етиў ҳуқықы Депутат өз ўәкилликлерин әмелге асырып атырғанда гүўалығын көрсетип, Өзбекстан Республикасы аймағындағы карханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлерге тосқынлықсыз кириў ҳуқықынан, сондай-ақ олардың басшылары ҳәм басқа да лаўазымлы шахслары тәрепинен дәрҳал қабыл етилиў ҳуқықынан пайдаланады. Жумысы мәмлекетлик сыр ҳәм нызам менен қорғалатуғын басқа да сыр менен байланыслы кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлерге депутаттың кириў тәртиби нызамда белгиленеди. 14-статья. Депутатлық жумысын өндирислик ямаса хызмет ўазыйпасын атқарыў менен үйлесимли тәризде алып барыў Депутат өз ўәкилликлерин өндирислик ямаса хызмет ўазыйпаларынан қол үзбеген ҳалда әмелге асырады. Кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң басшылары депутатты ол өз депутатлық ўазыйпаларын атқаратуғын ўақытта оның жумыс орнын (лаўазымын) сақлаған ҳалда, жумыстан азат етиўи шәрт. Депутатлық ўазыйпаларын атқарып атырған ўақытта депутаттың орташа ис ҳақысы сақланып қалады. 141-статья. Жоқарғы Кеӊесте турақлы түрде ислеўши депутаттыӊ мийнет ҳуқықларының кепилликлери Депутатларға, ўәкилликлери мүддети тамамланғаннан кейин жумысқа жайласыўға байланыслы кепилликлер бериледи. Ўәкиллик мүддети тамамланғанан кейин, депутатқа өзиниң разылығы менен басқа лаўазымдағы жумыс, сондай-ақ жоқарылаў лаўазымдағы жумыс ҳәм берилиўи мүмкин. Депутат алдынғы жумыс орнына (лаўазымына) қайтқан жағдайда, депутаттың алдынғы ийелеп турған лаўазымына қабыл етилген шахс пенен мийнет шәртнамасы бийкар етиледи. Кәрхана, мәкеме, шөлкем қайта шөлкемлестирилген ямаса хызметкерлер саны (штаты) өзгерген жағдайда депутатқа ўәкиллик мүддети тамамланғаннан кейин алдынғы жумыс орны бойынша басқа алдынғысына тең лаўазым бериледи. Бунда депутатты жумысқа жайластырыў миннетлемеси ҳуқықый мийрасхор жуўапкершилигине жүклетиледи. Кәрхана, мәкеме ямаса шөлкем сапластырылған жағдайда, депутатқа өзиниң разылығы менен басқа кәрханада, мәкемеде ямаса шөлкемде жумыс (лаўазым) бериледи. Бунда депутатты жумысқа жайластырыў миннетлемеси жоқары турыўшы уйым ямаса басқа ўәкилликли уйым жуўапкершилигине жүклетиледи. Депутаттыӊ ўәкилликли мүддети улыўма ис стажына, хызмет мүддетине ҳәм алдынғы қәнигелиги бойынша жумыс стажына қосып есапланады. Жоқарғы Кеӊес депутатына отыз алты жумыс күнинен ибарат ҳақы төленетуғын жыллық мийнет дем алысы бериледи, буннан нызамшылықта көбирек мүддетли дем алыс нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. Жоқарғы Кеӊес депутатына ҳәр жылғы мийнет дем алысы, әдетте, Жоқарғы Кеӊестиӊ сессиялары аралығындағы дәўирде бериледи. (13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 15-статья. Депутаты әскерий жыйынлардан азат етиў Депутат өз ўәкилликлери ҳәрекет етип турған мүддет лаўазымында әскерий жыйынлардан азат етиледи. 16-статья. Депутат жумысының мәлимлеме ҳәм материаллық техникалық тәмийинлениўи (11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Жоқарғы Кеңес Аппараты депутатты ҳүжжетлер, зәрүр мәлимлеме ҳәм мағлыўмат материаллары менен тәмийинлейди, сондай-ақ депутатлық жумысы менен байланыслы мәселелер бойынша қәнигелердиң мәсләҳәтлерин шөлкемлестиреди. (13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Депутатқа техникалық қураллар, байланыс қураллары ҳәм мағлыўматлар базаларынан  пайдаланыў ушын жағдай жаратылады. (13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Депутатқа депутатлық жумысы менен байланыслы шығынлар ушын ҳәр айда базалық есаплаў муғдарыныӊ бес есесинде физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы салынбайтуғын қаржы төленеди. (13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 17-статья. Депутаттың транспортта тегин қатнаў ҳуқықы Депутат Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳаўа, темир жол, автомобиль жолаўшылар транспортында (такси ҳәм қала жөнелисли транспорты буған кирмейди) тегин жүриў ҳуқықынан пайдаланады. Депутат аэропортлар ҳәм аэровокзаллар, темир жол вокзаллары ҳәм станцияларының рәсмий шахслар ҳәм делегациялар ушын арналған залларынан тегин пайдаланыў ҳуқықына ийе. Депутат өз гүўалығын көрсеткеннен кейин темир жол вокзаллары ҳәм станцияларының билет сататуғын кассалары, пуқаралық авиация агентлиги ямаса аэропортлар оған поезддың жатақлы ямаса жумсақ орынлықлы вагонынан самолёт салонынан гезексиз орын бериўи шәрт. Билетинде орынлықтың тәртип саны да көрсетилетуғын қалалар аралық, сондай-ақ қала әтирапында қатнайтуғын автобусларда депутат автовокзаллар ҳәм автостанцияларды кассаларынан гезексиз алынатуғын тегин билет пенен жүреди. Қалған барлық жағдайларда депутаттың жолаўшылар транспортында жүриўи (такси ҳәм қалалық жөнелисли транспорты буған кирмейди) депутаттың гүўалығы бойынша әмелге асырылады. Депутат ҳәр бир транспорт түринде ҳәрекеттеги нормаларға сәйкес қол жүгин тегин алып жүриў ҳуқықына ийе. Транспорт шөлкемлери менен сапласыў тәртиби нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди.