Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ
  • Бас бет
  • Ҳүжжетлер
  • ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ, ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ РАЙОНЛЫҚ, ҚАЛАЛЫҚ КЕҢЕСИ ДЕПУТАТЫН ШАҚЫРЫП АЛЫЎ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ, ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ РАЙОНЛЫҚ, ҚАЛАЛЫҚ КЕҢЕСИ ДЕПУТАТЫН ШАҚЫРЫП АЛЫЎ ҲАҚҚЫНДА

КАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 26.12.2018-жыл № 221 /XXIV

 ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ, ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ РАЙОНЛЫҚ, ҚАЛАЛЫҚ КЕҢЕСИ ДЕПУТАТЫН ШАҚЫРЫП АЛЫЎ ҲАҚҚЫНДА 

  Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамы

1-статья. Шақырып алыў тийкарлары Депутатты шақырып алыў ушын төмендегилер тийкар болады: депутаттың әмелдеги нызам ҳүжжетлерин жынайый, пуқаралық, ҳәкимшилик ҳәмде нызамда нәзерде тутылған басқа түрдеги жуўапкершиликке алып келиўи мүмкин болған түрде бузғанлығы; депутаттың жүрис-турыс, депутатлық әдеплиликтиң улыўмалық тән алынған нормаларын қопал түрде бузыўшы ҳәм депутат атына дақ түсириўши ҳәмде ўәкилликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының абыройына зыян келтириўши ҳәрекетлер, унамсыз ислер ислегенлиги; депутаттың нызам ҳүжжетлерде нәзерде тутылған өз ўазыйпаларын турақлы түрде, кеширимли себеплерсиз орынламағанлығы, атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәм тийисли халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслериниң мәжлислеринде, олардың уйымлары жумысында қатнаспағанлығы, олардың тапсырмаларын орынламағанлығы; депутаттың оны депутатлыққа талабан етип көрсеткен сиясий партия алдындағы миннетлерин орынламағанлығы. (13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 2- статья. Депутатты шақырып алыў зәрүрлиги ҳаққындағы қарар Нызам ҳүжжетлерин, жүрис-турыс ҳәм депутатлық әдеплилик нормаларын бузған, өз ўазыйпаларын турақлы түрде орынламай атырған депутатты шақырып алыў зәрүрлиги ҳаққындағы қарар Жоқарғы Кеңес, тийислисинше халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси тәрепинен қабыл етиледи. Депутатты шақырып алыў мәселесин қарап шығыў ушын ҳуқық қорғаў уйымларының нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте киргизилген сораўы, сондай-ақ, оны депутатлыққа талабан етип көрсеткен сиясий партияның усынысы тийкар болыўы мүмкин. (13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Депутаттың нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы дәлийллерине байланыслы материаллар Жоқарғы Кеңес (Жоқарғы Кеңес Президиумы), халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси тәрепинен тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Прокурорына, район, қала прокурорына дәслепки тәризде көрип шығыў ҳәм усы мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң яки халық депутатлары районлық, қалалық Кеңесиниң депутатлық әдеплилик комиссиясына жуўмақ бериў ушын тапсырылады. Жоқарғы Кеңес (Жоқарғы Кеңес Президиумы), халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси депутатлық әдеплилик комиссиясының ҳәм прокурордың жуўмақларын тыңлаў нәтийжелери бойынша депутатты шақырып алыў ҳаққындағы мәселениң қойылыўы тийкарлы яки тийкарсыз екенлиги ҳаққында қарар шығарады. Шақырып алыў ҳаққындағы мәселеси қойылған депутаттың ҳәмде усы мәселеге тийисли материалларды үйренген ҳәм таярлаған прокурордың пикири Жоқарғы Кеңестиң (Жоқарғы Кеңес Президиумының), халық депутатлары районлық, қалалық Кеңесиниң мәжилисинде тыңланыўы мүмкин. Шақырып алыў ҳаққындағы усыныс тийкарлы деп табылғанда мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымының тийисли қарары депутатты шақырып алыў бойынша даўыс бериўди шөлкемлестириў ушын Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясына (буннан былай тексте Орайлық сайлаў комиссиясы деп жүритиледи) жибериледи. 3-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслериниң қоспа мәжлисинде сайланған сенаторды шақырып алыў тәртибин шөлкемлестириў ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының сенаторды шақырып алыў зәрүрлиги ҳаққындағы қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси депутаты етип сайланған сайлаў округында даўыс бериўди шөлкемлестиреди. Бунда даўыс бериў депутатты шақырып алыў бойынша өткериледи. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслериниң қоспа мәжлисинде сайланған сенатор депутатлық статусын жойтқанынан кейин, тийислисинше депутатты шақырып алыў бойынша даўыс нәтийжелери дизимге алынған ўақыттан баслап сенаторлық статусы да тоқтатылады. 4-статья. Депутатты шақырып алыў бойынша даўыс бериўди шөлкемлестириў Нызам ҳүжжетлерине муўапық депутатты шақырып алыў ол сайланған округ сайлаўшыларының жасырын даўыс бериў жолы менен әмелге асырылады. Депутатты шақырып алыў бойынша даўыс бериўди Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен депутатты сайлаў ушын белгиленген тәртипте шөлкемлестириледи. (13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Орайлық сайлаў комиссиясы мәмлекетлик ҳәкимияты ўәкилликли уйымларының депутатты шақырып алыў мәселеси бойынша даўыс бериўди өткериў зәрүрлиги ҳаққындағы қарарды алған күннен баслап он күнлик мүддет ишинде нызамға муўапық Жоқарғы Кеңестиң, халқ депутатлары районлық, қалалық Кеңесиниң депутатты шақырып алыў бойынша округлик комиссиясы (буннан былай тексте округлик комиссиясы деп жүритиледи) дүзилиўин тәмийинлейди ҳәмде даўыс бериў ўақты ҳәм орнын белгилейди. Орайлық сайлаў комиссиясы бул ҳаққында Жоқарғы Кеңести, халық депутатлары районлық, қалалық Кеңесин хабардар етеди. 5-статья. Шақырып алыў ҳаққындағы мәселеси қарап шығылып атырғанда депутаттың ҳуқықларының кепилликлери Жоқарғы Кеңес (Жоқарғы Кеңес Президиумы), халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси депутатты шақырып алыў ушын усы Нызамның 1-статьясында нәзерде тутылған тийкарлар болған материаллар түскен күннен баслап үш күнлик мүддеттен кешиктирмей депутатқа түскен ҳүжжетлердиң нусқаларын қосымша еткен ҳалда жазба хабарландырыў жибериледи. Шақырып алыў ҳаққындағы мәселеси қойылған депутат сайлаўшылар менен ушырасыўға, сайлаўшылардың жыйналысларында, мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының сессиялары ҳәм мәжлислеринде шақырып алыныўы ҳаққындағы мәселе қарап шығылып атырғанда қатнасыўға ҳәмде өзин қорғап сөзге шығыўға ҳақылы. Депутатты шақырып алыў ҳаққындағы мәселе қойылыўына себеп болған жалған мағлыўматты билип турып усынған шахслар нызамға муўапық жуўапкер болады. 6- статья. Депутатты шақырып алыў бойынша даўыс бериўди өткериў Депутатты шақырып алыў жумысларын шөлкемлестириў тийисли округлик комиссиясына жүкленеди. Депутатты шақырып алыў бойынша даўыс бериўди өткериў ушын даўыс бериўге узағы менен жигирма бес күн қалғанда даўыс бериў участкалары ҳәм узағы менен жигирма күн қалғанда депутатты шақырып алыў бойынша участкалық комиссиялары (буннан былай тексте участкалық комиссиясы деп жүритиледи) дүзиледи. Тийисли сайлаў округи сайлаўшыларының дизимлери даўыс бериў күнине узағы менен он күн қалғанда ҳәмме танысып шығыў ушын усынылады. Даўыс бериў участкаларын ҳәм комиссияларын дүзиў, комиссиялардың ўәкилликлери, сайлаўшылардың дизимлерин дүзиў, даўыс бериўди өткериў нызамда белгиленген тәртипте әмелге асырылады.  (13.08.2022-ж. 253/XXXIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Депутатты шақырып алыў бойынша жасырын даўыс бериў бюллетенинде оның фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси, лаўазымы (жумыс түри) көрсетиледи. Бюллетенге бөлек-бөлек горизонтал қатар етип төмендеги текст жайластырылады: «Депутаттың шақырып алыныўын жақлайман» ҳәм «Депутаттың шақырып алыныўына қарсыман». Ҳәр бир қатардың туўрысына, оң тәрепине бос квадрат жайластырылады. Сайлаўшы депутатты шақырып алыў бойынша даўыс бериў ўақтында депутаттың шақырып алыныўын жақлаўынан яки оның шақырып алыныўына қарсы екенлигинен келип шығып тийисли бос квадратқа белги-крестик қояды. Округлик ҳәм участкалық комиссияларының ўәкилликлери мүддети депутатты шақырып алыў бойынша даўыс бериў нәтийжелери шығарылғаннан кейин тоқтайды. 7-статья. Депутатты шақырып алыў бойынша даўыс бериў нәтийжелерин анықлаў Даўыс бериў нәтийжелери депутатты шақырып алыў бойынша округлик комиссиясының мәжилисинде, даўыс бериў өткерилген күнниң ертеңине анықланып, протоколға киргизиледи, протокол тийислисинше Орайлық сайлаў комиссиясына, районлық, қалалық сайлаў комиссиясына жибериледи. Егер даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың ярымынан көпшилиги депутаттың шақырып алыныўын жақлап даўыс берген болса, ол шақырып алынған есапланады. Егер даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың ярымынан кеми депутаттың шақырып алыныўын жақлап даўыс берген болса, сондай-ақ даўыс бериўде даўыс бериў дизимине киргизилген сайлаўшылардың отыз үш пайызынан кеми қатнасқан болса, депутатты шақырып алыўдан бас тартылған есапланады. Депутаттың шақырып алыныўын жақлап ҳәм шақырып алыныўына қарсы берилген даўыслар тең болып қалған жағдайда, депутат өз ўәкилликлерин сақлап қалады. Орайлық сайлаў комиссиясы яки тийисли районлық, қалалық сайлаў комиссиясы даўыс бериў жуўмақларына тәсир еткен нызамбузыўшылыққа жол қойылғанлығы себепли даўыс бериў нәтийжелерин ҳақықый емес деп табыўы мүмкин. Бундай жағдайда қайта даўыс бериў белгиленип, ол усы Нызам талапларына бойсынылған ҳалда кеши менен еки ҳәптелик мүддет ишинде өткериледи. Орайлық сайлаў комиссиясы, тийисли районлық, қалалық сайлаў комиссиясы округлик комиссиясынан алынған протокол тийкарында депутатты шақырып алыў бойынша даўыс бериў нәтийжелерин бес күнлик мүддет ишинде дизимге алады ҳәмде бул ҳаққында ғалаба хабар қураллары арқалы хабарлайды. Жоқарғы Кеңес, халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси депутатын шақырып алыў бойынша даўыс бериў жуўмақлары ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясы, тийисли районлық, қалалық сайлаў комиссиясы тийисли мәмлекетлик ҳәкимияты ўәкилликли уйымын хабардар етеди. Депутаттың ўәкилликлери, егер даўыс бериў нәтийжесинде депутат шақырып алынған болса, оны шақырып алыў бойынша даўыс бериў нәтийжелери дизимге алынған ўақыттан баслап мүддетинен алдын тоқтатылған есапланады. 8-статья. Депутатты шақырып алыў менен байланыслы шығынлар Депутатты шақырып алыў менен байланыслы шығынлар республикалық бюджет ямаса тийисли жергиликли бюджет есабынан әмелге асырылады. 9- статья. Усы Нызам бузылғанлығы үстинен шағым етиў Усы Нызам бузылғанлығы үстинен Орайлық сайлаў комиссиясына, тийисли районлық, қалалық сайлаў комиссиясына ямаса судқа шағым етилиўи мүмкин.