“МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ ҲӘМ БАСҚАРЫЎ УЙЫМЛАРЫ ЖУМЫСЛАРЫНЫӉ АШЫҚ-АЙДЫНЛЫҒЫ ҲАҚҚЫНДА”ҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ
“МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ ҲӘМ БАСҚАРЫЎ УЙЫМЛАРЫ ЖУМЫСЛАРЫНЫӉ АШЫҚ-АЙДЫНЛЫҒЫ ҲАҚҚЫНДА”ҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ
I-бап. Улыўма қағыйдалар
1-статья. Усы Нызамның мақсети ҳәм тийкарғы ўазыйпалары Усы Нызамның мақсети мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысларыныӊ ашық-айдынлығы саласындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. Бул Нызамның тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат: физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққындағы мәлимлемеден пайдаланыўын тәмийинлеў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққында мәлимлеме алыў ҳуқықының кепилликлерин тәмийинлеў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының ҳәм де лаўазымлы шахсларының қабыл етилип атырған қарарлар ушын жуўапкершилигин асырыў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлемени тарқатыў тәртибин белгилеў. 2-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққында нызамшылық Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққында нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа нызамшылық ҳүжжетлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққындағы нызамшылықта нәзерде тутылғанынан басқа қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады. 3-статья. Усы Нызамның қолланылыў тараўы Бул Нызам мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, олардыӊ қурамлық ҳәм аймақлық бөлимлери жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ушын қолланылады. Усы Нызамныӊ әмел етиўи: физикалық шахслардыӊ шахсына тийисли мағлыўматлардан пайдаланыўды тәмийинлеў тәртибине; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен арзалар, усыныслар ҳәмде шағымларды көрип шығыў тәртибине; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары өз ўәкилликлерин әмелге асырыўы мунәсибети менен олар тәрепинен мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыўдыӊ басқа да уйымларына өз жумысы ҳаққында мәлимлеме бериў тәртибине; мәлимлеме усыныўдың өзине тән өзгешеликлери басқа нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысына тийисли болған мәлимлемениң айырым түрлерине қатнаслы қолланылмайды. 4-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ашық-айдынлығының тийкарғы принциплери Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ашық-айдынлығыныӊ тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат: олар тәрепинен усынылатуғын мәлимлемеден ҳәммениӊ пайдаланыўы мүмкинлиги, оныӊ өз ўақтында берилиўи ҳәм исенимлилиги; олар жумысының ашық-айдынлығы; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени излеў, алыў ҳәм тарқатыў еркинлиги; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққындағы мәлимлемени усыныўда пуқаралардыӊ өз абыройы ҳәм қәдир-қымбатын ҳүжимлерден, өз жеке өмирине араласыўлардан қорғаўға болған ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине, сондай-ақ, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардыӊ өз исшеӊлик абыройын қорғаўға болған ҳуқықларына әмел етиў. 5-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының жумысы ҳаққындағы мәлимлеме Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлеме түсинигине төмендегилер киреди: мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ, олардыӊ қурамлық ҳәм аймақлық бөлимлериниӊ ҳуқықый статусын белгилеўши норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер, норматив ҳәмде басқа ҳүжжетлер, сондай-ақ, олардыӊ орынланыў барысы ҳаққындағы мағлыўматлар; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге, норматив ҳәм басқа ҳүжжетлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, усы ҳүжжетлерди өз күшин жойтқан деп табыў ҳаққындағы мағлыўматлар; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен ислеп шығылып атырған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиӊ, норматив ҳәм басқа ҳүжжетлердиӊ жойбарлары ҳаққындағы мағлыўматлар; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен мәмлекетлик бағдарламалар ҳәмде басқа да бағдарламалар әмелге асырылыўы ҳаққындағы мағлыўматлар; бюджеттен ажыратылатуғын қаржылардан, бюджет шөлкемлериниӊ бюджеттен тыс қорлары қаржыларынан пайдаланылыўы, өткерилген таӊлаўлар (тендерлер) ҳәм алынған товарлардыӊ жеткерилип берилиўи ҳаққында, министрликлер, мәкемелер, мәмлекетлик мақсетли қорлар ҳамде басқа да бюджет қаржыларын бөлистириўшилер тәрепинен өз рәсмий веб-сайтларына жайластырылатуғын тийисли мәлимлеме; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен өткерилетуғын ғалабалық илажлар (мәжилислер, кеӊеслер, ушырасыўлар, ғалаба хабар қураллары конференциялары, брифинглер, семинарлар, дөнгелек стол әтирапындағы сәўбетлесиўлер ҳәм басқалар) ҳаққындағы мағлыўматлар; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыўдыӊ басқа уйымлары, физикалық ҳәм юридикалық шахслар, сондай-ақ, шет ел ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўи ҳаққындағы мағлыўматлар; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы тараўына тийисли болған тармақтыӊ (аймақтыӊ) жағдайын ҳәм оныӊ раўажланыў пәтлерин билдириўши тийкарғы көрсеткишлер ҳаққындағы, соныӊ ишинде социаллық-экономикалық раўажланыў көрсеткишлери ҳаққындағы мағлыўматлар; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен өткерилетуғын (шөлкемлестирилетуғын) ашық таӊлаўлар (тендерлер) ҳәм ким зыят саўдалары ҳаққындағы мағлыўматлар; бос жумыс орынлары, жумысқа қабыл етиў шәртлери ҳәм бос жумыс орынларын ийелеў ушын талабанларға қойылатуғын талаплар ҳаққындағы мағлыўматлар; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен дүзилген муўапықластырыўшы ҳәм мәсләҳәт уйымлары ҳаққындағы мағлыўматлар; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ашық президиум мәжилислерин өткериў режелери, соныӊ менен бирге мәжилислердиӊ күн тәртиби жобалары, олар өткерилетуғын сәне, орын ҳәм ўақыт, мәжилислерде қатнасыў тәртиби. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлеме түсинигине нызамшылыққа муўапық басқа мағлыўматлар да киргизилиўи мүмкин. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары өз жумысы ҳаққындағы мәлимлеме дизимин усы статья қағыйдаларына муўапық тастыйықлайды. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеӊеслери), олардыӊ комитетлери (турақлы комиссиялары), комиссиялары ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде өз жумысы ҳаққындағы мәлимлеме, соныӊ ишинде режелестирилип атырған мәжилислер ҳәм илажлар, көрилип шығылыўы белгиленген мәселелер, қабыл етилген қарарлар ҳаққындағы мәлимлеме өз ўақтында жәрияланыўын (басып шығарылыўын) тәмийинлейди. 6-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққындағы пайдаланылыўы шеклеп қойылған мәлимлеме Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемеден пайдаланыў, егер бул мәлимлеме нызамда белгиленген тәртипте мәмлекет сырлары ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа сырды қурайтуғын мағлыўматлар қатарына киргизилген болса, шеклеп қойылады. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы пайдаланылыўы шеклеп қойылған мәлимлемеге тийисли мағлыўматлардыӊ дизими, сондай-ақ, мағлыўматларды бундай мәлимлеме қатарына киргизиў тәртиби нызамшылықта белгиленеди. 7-статья. Мәлимлемеден пайдаланыўшы ҳәм оның ҳуқықлары Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлеме излеўди әмелге асырып атырған физикалық яки юридикалық шахс мәлимлемеден пайдаланыўшы болып есапланады. Мәлимлемеден пайдаланыўшы төмендеги ҳуқықларға ийе: мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы исенимли мәлимлемени алыў ҳәм тарқатыў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы усы Нызамныӊ 5-статьясында нәзерде тутылған мәлимлемени алыў ушын тиккелей өзи яки өз ўәкиллери арқалы сораў менен мүрәжат етиў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени алыўдан бас тартыў. Мәлимлемеден пайдаланыўшы нызамшылыққа муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин. 8-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары басшыларыныӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў тараўындағы ўәкилликлери Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары басшыларыныӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў тараўындағы ўәкилликлерине төмендегилер киреди: мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары қурамлық ҳәм аймақлық бөлимлериниӊ өз жумысы ҳаққындағы мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ пайдаланыўын тәмийинлеўге байланыслы жумысын муўапықластырып барыў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлемени усыныў тәртибин белгилеўши ҳуқықый-норматив ҳүжжетлер, норматив ҳәм басқа ҳүжжетлер ислеп шығылыўы ҳәмде қабыл етилиўин шөлкемлестириў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў бойынша өткерилетуғын илажлар мониторинг қылыныўын ҳәмде турақлы рәўиште комплекс баҳаланыўын шөлкемлестириў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлемени усыныў ушын жуўапкер болған лаўазымлы шахсларды белгилеў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында олардыӊ рәсмий веб-сайтларында жайластырылатуғын мағлыўматлардыӊ дизимин тастыйықлаў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы пайдаланылыўы нызамшылыққа муўапық шеклеп қойылған мәлимлемеге тийисли мағлыўматлардыӊ дизимин тастыйықлаў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы жәрияланыўы (басып шығарлыўы) тийис болған мәлимлеме материалларын тастыйықлаў; мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ашық президиум мәжилислеринде қатнасыўы тәртибин белгилеў; мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлемеден тосқынлықсыз пайдаланыўын тәмийинлеў, усы Нызамыӊ 6-статьясыныӊ биринши бөлиминде нәзерде тутылған жағдай буннан тысқары; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында олардыӊ рәсмий веб-сайтларында жайластырылатуғын мәлимлемениң өз ўақтында берилиўин ҳәм исенимлилигин тәмийинлеў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жуўапкер шахсларына тийисли шаралар көриў. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ басшылары мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў саласында нызамшылыққа муўапық басқа ўәкилликлерди де әмелге асырыўы мүмкин. 9-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлеме дәреклери Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының жумысы ҳаққындағы мәлимлеме дәреклери төмендегилерден ибарат: мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ рәсмий басылымлары; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары басшыларыныӊ, сондай-ақ, усы уйымлар тәрепинен ўәкиллик берилген лаўазымлы шахслардыӊ шығыўлары ҳәм баянатлары; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары мәлимлеме хызметлериниӊ хабарлары; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары расмий веб-сайтларыныӊ материаллары; ғалаба хабар қуралларыныӊ материаллары. Нызамшылыққа муўапық басқа да дәреклер мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлеме дәреклери болыўы мүмкин. 10-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ мәлимлеме хызмети Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ өз жумысы ҳаққындағы мәлимлемени таярлаў ҳәмде тарқатыў ўазыйпаларын орынлаўшы, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ҳәм кеӊ жәмийетшилик пенен байланысларды тәмийинлеўши бөлими ямаса усы ўазыйпаларды орынлаўшы шахс мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ мәлимлеме хызмети болып есапланады (буннан былай текстте мәлимлеме хызмети деп жүргизиледи). Мәлимлеме хызмети ғалабалық илажларды шөлкемлестириў, мәлимлеме ҳәм мағлыўматларды (пресс-релизлер, бюллетенлер ҳәм басқа) тарқатыў, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ рәсмий веб-сайтында олардыӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени жайластырыў ҳәм жаӊалап барыў жолы менен мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысын ғалаба хабар қуралларында жарытыў илажларын көреди. Мәлимлеме хызмети мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлеме тарқатыўдыӊ нызамшылыққа қайшы келмейтуғын басқа усылларынан да пайдаланыўы мүмкин. Мәлимлеме хызметиниӊ жумысын шөлкемлестириў тәртиби мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен белгиленеди.II-бап. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў тәртиби
11-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў усыллары Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысыныӊ ашық-айдынлығын тәмийинлеў усыллары төмендегилерден ибарат: мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени жәриялаў (басып шығарыў); мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени олардыӊ рәсмий веб-сайтында жайластырыў ҳәм жаӊалап барыў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени ҳәмме кириўи мүмкин болған ханаларға ҳәм орынларға жайластырыў ҳәмде жаӊалап барыў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени мәлимлеме-китапхана ҳәм архив фондлары арқалы усыныў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ашық президиум мәжилислеринде мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ қатнасыўы ушын шараятлар жаратыў; мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ сораўы тийкарында оларға мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында аўызеки ҳәм жазба түрде (электрон ҳүжжет түринде) мәлимлеме усыныў; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў нызамшлыққа муўапық басқа усыллар менен де әмелге асырылыўы мүмкин. 12-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени жәриялаў (басып шығарыў) Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени жәриялаў (бастырып шығарыў) мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ рәсмий басылымлары, рәсмий веб-сайтлары, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары арқалы әмелге асырылады. 13-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ веб-сайтлары Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ веб-сайтлары Интернет жәҳән мәлимлеме тармағындағы усы уйымларға яки бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға тийисли болған ҳәм олардыӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени өз ишине алған рәсмий веб-сайт сыпатында идентификация қылынатуғын, ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған ресурс болып есапланады. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ рәсмий веб-сайтларында усы Нызамныӊ 5-статьясыныӊ биринши бөлиминде нәзерде тутылған мәлимлемеден тысқары төмендегилер жайластырылыўы мүмкин: мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ басшылары ҳаққындағы мағлыўматнама түриндеги мәлимлеме (биографиялық мағлыўматлар, пуқараларды қабыл етиў күнлери ҳәм басқа); мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ҳәмде олардыӊ қурамлық ҳәм аймақлық бөлимлериниӊ жумыс тәртиби ҳаққындағы мағлыўматлар, олардыӊ телефон номерлери ҳәм почта мәнзиллери, элекрон почта мәнзиллери, мәлимлеме хызмети телефонларыӊ ҳәм исеним телефонларыныӊ номерлери, жәмәәт транспортыныӊ қатнаў жоллары, тоқтаў орынларыныӊ атамалары ҳәм жөнелис номерлери; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ басшылары, сондай-ақ, усы уйымлар тәрепинен ўәкиллик берилген лаўазымлы шахслардыӊ шығып сөйлеўлери ҳәмде баянатларыныӊ текстлери; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жанындағы ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациялаў тәртиби ҳаққындағы мәлимлеме; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиӊ дизими; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы аналитикалық баянатлар ҳәмде мәлимлеме түриндеги шолыўлар; арзаларды, усынысларды, шағымларды қабыл етиў тәртиби ҳаққындағы мәлимлеме; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени алыўға тийисли сораўларды қабыл етиў тәртиби ҳаққындағы мәлимлеме; келип түскен арзаларды, усынысларды, шағымларды сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени алыўға тийисли сораўларды көрип шығыўдыӊ улыўма нәтийжелери ҳаққында мәлимлеме. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ рәсмий веб-сайтларында нызамшылыққа муўапық олардыӊ жумысы ҳаққындағы басқа мағлыўматлар да жайластырылыўы мүмкин. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ рәсмий веб-сайтларындағы мәлимлеме мәмлекетлик тилде жайластырылыўы керек. Рәсмий веб-сайт басқа тиллердеги формаларына да ийе болыўы мүмкин. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен өз рәсмий веб-сайтларында жайластырылатуғын мәлимлемениң сәнеси қойылған болыўы ҳәмде ол ўақты-ўақты менен жаӊаланып барылыўы керек. Мәлимлемени жаӊалап барыў ўақты мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен белгиленеди, бирақ ол ҳәптесине бир мәртеден кем болмаўы керек. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ рәсмий веб-сайтларында жайластырылған мәлимлеме исенимли болыўы керек ҳәм ол ғалаба хабар қуралларында жәрияланған мәлимлеме менен теӊ күшке ийе болады. 14-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени ҳәмме кириўи мүмкин болған ханалар ҳәм орынларға жайластырыў Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары өзлери ийелеп турған, ҳәмме кириўи мүмкин болған ханаларда ҳәм басқа ажыратылған орынларда тийисли уйымныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлеме менен мәлимлемеден пайдаланыўшылар танысыўы ушын мәлимлеме стендлери ҳәм усындай мақсет ушын мөлшерленген басқа техникалық қуралларды жайластырыўы шәрт. Усы статьяныӊ биринши бөлиминде көрсетилген мәлимлеме стендлеринде ҳәм усындай мақсет ушын мөлшерленген басқа техникалық қуралларда төмендегилер болыўы керек: мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ҳуқықый дәрежесин белгилеўши ҳуқықый-норматив ҳүжжетлер дизими; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумыс тәртиби ҳаққындағы мағлыўматлар, мәлимлеме хызмети телефонларыныӊ, исеним телефонларыныӊ номерлери; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ режелестирилип атырған ашық президиум мәжилислери ҳаққындағы мәлимлеме; арзалар, усыныслар ҳәмде шағымларды қабыл етиў тәртиби ҳаққында мәлимлеме; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени алыў бойынша сораўды қабыллаў тәртиби ҳаққындағы мәлимлеме; мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиӊ дизими. Усы статьяныӊ биринши бөлиминде көрсетилген мәлимлеме стендлеринде ҳәм усындай мақсет ушын мөлшерленген басқа техникалық қуралларда нызамшылыққа муўапық мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы басқа мағлыўматлар да болыўы мүмкин. 15-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени мәлимлеме-китапхана ҳәм архив фондлары арқалы усыныў Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени мәлимлеме-китапхана ҳәм архив фондлары арқалы нызамшылықта белгиленген тәртипте усынады. 16-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ашық президиум мәжилислеринде мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ қатнасыўы ушын шараятлар жаратыў Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ президиум мәжилислери ашық тәризде өткериледи, нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары өзлериниң ашық президиум мәжилислеринде мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ қатнасыўы ушын шараятлар жаратады. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ашық президиум мәжилислеринде мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ қатнасыўы тәртиби усы уйымлардыӊ тийисли норматив ҳүжжетлери менен белгиленеди. 17-статья. Ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққындағы мәлимлемеден пайдаланыўын тәмийинлеў Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары өз жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жанында аккредитация етилиўин әмелге асырыўы мүмкин. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары ғалаба хабар қуралларыныӊ аккредитация етилген ўәкиллерин өткерилетуғын илажлар ҳаққында алдын-ала хабардар етеди, оларға өз кәсибине тийисли ўазыйпаларды орынлаўда көмеклеседи. Ғалаба хабар қуралларыныӊ аккредитация етилген ўәкиллери төмендеги ҳуқықларға ийе: Болып өтетуғын ашық президиум мәжилислери ҳәм басқа ғалабалық илажлар ҳаққында алдын-ала хабардар болыў; аккредитация етиўши уйымныӊ имаратларына (ханаларына) ҳәм басқа объектлерине аккредитация етиўши уйым тәрепинен белгиленген тәртипте кириў; ашық президиум мәжилислеринде ҳәм басқа ғалабалық илажларда қатнасыў; аккредитация етиўши уйымның жуўапкер шахсларынан зәрүр ҳүжжетлерди ҳәм материалларды сораў ҳәмде алыў, ғалабалық илажлардыӊ жазыўлары менен танысыў ҳәмде олардан көширме алыў; алынған жазыўлардан ғалаба хабар қураллары материалларын таярлаўда пайдаланыў. Ғалаба хабар қуралларыныӊ аккредитация етилген ўәкиллери нызамшылыққа муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин.III-бап. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлеме алыўға байланыслы сораўды көрип шығыў тәртиби
18-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлеме алыўға байланыслы сораў Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққында мәлимлеме алыўға байланыслы сораў (буннан былай текстте сораў деп жүргизиледи) мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққында мәлимлеме усыныў ҳаққында усы уйымларларға ҳәм (яки) олардыӊ жуўапкер шахсларына жолланатуғын аўызеки ямаса жазба түрдеги (сондай-ақ, электрон ҳүжжет формасындағы) талабы болып табылады. 19-статья. Сораўды көрип шығыў ўақты ҳәм тәртиби Мәлимлемеден пайдаланыўшыныӊ сораўы дизимнен өткерилген күннен баслап көби менен он бес күн мүддетте көрип шығылыўы керек. Ғалаба хабар қуралларыныӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққында мәлимлеме алыўға байланыслы, сондай-ақ, жуўапкер шахслардыӊ интервьюлерин шөлкемлестириў ҳаққындағы сораўы көби менен жети күн мүддетте көрип шығылады. Егер мәлимлемеден пайдаланыўшыныӊ сораўын көрип шығыў мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ўазыйпасына кирмесе, сораў соралып атырған мағлыўматты бериў ўазыйпасына киретуғын уйымға дизимнен өткерилген күннен баслап үш күн ишинде жибериледи, мәлимлемеден пайдаланыўшы болса бул ҳаққында хабардар етиледи. Рәсмий басылымларда, ғалаба хабар қуралларында жәрияланған (басып шығарылған) ямаса рәсмий веб-сайтларда жайластырылған мәлимлеме соралғанда мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары сораўға берилетуғын жуўапта соралып атырған мәлимлеме жәрияланған (басып шығарылған) рәсмий басылымныӊ, ғалаба хабар қуралыныӊ атамасы, шығарылыў сәнеси ҳәмде саны яки соралып атырған мәлимлеме жайластырылған рәсмий веб-сайттыӊ электрон мәнзили көрсетилген ҳалда силтеме бериўи мүмкин. Егер мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары алынған сораў бойынша мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыўдыӊ басқа уйымлары ўәкилликлери ҳаққындағы мағлыўматларға ийе болмаса, мәлимлемеден пайдаланыўшыға сораў дизимнен өткерилген күннен баслап үш күн ишинде тийисли жуўап жибериледи. Сораў қанаатландырылмаған жағдайда мәлимлемеден пайдаланыўшыға тийкарланған жуўап жибериледи. 20-статья. Сораўға қойылатуғын талаплар Физикалық шахстыӊ сораўында оныӊ фамилиясы, аты, әкесиниӊ аты, жасаў орны ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилген ҳәм сораўдыӊ мазмуны баян етилген болыўы керек. Юридикалық шахстыӊ сораўында юридикалық шахстыӊ толық фирма атамасы, оныӊ жайласқан жери (почта мәнзили) ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилген, сораўдыӊ мазмун-мәниси анық баян етилген болыўы керек. Жазба сораўлар мәлимлемеден пайдаланыўшыныӊ жеке қолы менен тастыйықланған болыўы керек. Сораўды жеке қолы менен тастыйықлаў имканияты болмаған жағдайда, ол қосымша рәўиште дүзиўшиниӊ де фамилиясы, аты, әкесиниӊ аты жазылған ҳалда оныӊ қолы менен тастыйықланған болыўы керек. Хабардан пайдаланыўшыны идентификациялаў имканиятын беретуғын мағлыўматлар көрсетилмеген сораў аноним сораў болып есапланады ҳәм көрип шығылмайды. Сораў онда қойылған мәселелер бойынша мәлимлеме усыныў ўәкиллигине киретуғын мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымына яки жуўапкер шахсқа жибериледи. Белгиленген тәртипте жиберилген сораў көрип шығылыўы ҳәм жуўап қайтарылыўы шәрт.IV-бап. Жуўмақлаўшы режелер
21-статья. Тартысларды шешиў Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы саласындағы тартыслар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи. 22-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады. 23-статья. Нызам ҳүжжетлерин усы Нызамға муўапықластырыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: ҳүкимет қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын; мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы келетуғын өз ҳуқықый-норматив ҳүжжетлерин қайта көрип шығыўын ҳәм бийкар етиўин тәмийинлесин. 24-статья. Усы Нызамның күшке кириўи Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.