ФЕРМЕР ХОЖАЛЫҒЫ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫӉ НЫЗАМЫ ФЕРМЕР ХОЖАЛЫҒЫ ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакция)
Бул редакция 14.05.2005-ж. 37/III-санлы ҚР Нызамы менен тастыйықланған Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген 29.08.2006-ж. 94/III–санлы ҚР Нызамы 25.04.2009-ж. 240/III–санлы ҚР Нызамы 22.05.2010-ж. 31/II–санлы ҚР Нызамы 28.12.2013-ж. 187/ХIV-санлы ҚР Нызамы 30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамы 11.08.2017-ж. 153/XVII–санлы ҚР Нызамы 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы 29.06.2019-ж. 258/ XXVI -санлы ҚР Нызамы 18.08.2020-ж. 47/ VI -санлы ҚР Нызамы 30.06.2021-ж. 152/ XX -санлы ҚР НызамыI. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети фермер хожалықларының шөлкемлестирилиўи, жумысы, қайта шөлкемлестирилиўи ҳәм сапластырылыўы саласындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Фермер хожалығы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Фермер хожалығы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халық аралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының фермер хожалығы ҳаққындағы Нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылғанынан басқаша режелер белгиленген болса, халық аралық шәртнаманың режелери қолланылады. 3-статья. Фермер хожалығы Фермер хожалығы ижараға берилген жер қыйтақларынан пайдаланған ҳалда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәмде нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа жумыс түрлери менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъекти болып табылады. Фермер хожалығы Қарақалпақстан Республикасында аўыл хожалығы өндирисиниң тийкарғы субъекти болып табылады. Көп тармақлы фермер хожалығы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў менен бирге аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, сақлаў ҳәм реализация етиў, санаат өндириси, ислерди орынлаў, хызметлер көрсетиў ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да жумыс түрлери менен шуғылланыўшы фермер хожалығы болып табылады. Көп тармақлы фермер хожалықлары реестри Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси тәрепинен жүргизиледи. Көп тармақлы фермер хожалықлары реестрин жүргизиў тәртиби тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленеди. (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) 4-статья. Фермер хожалығының баслығы Фермер хожалығының баслығы усы хожалықтың шөлкемлестириўшиси – фермер болып табылады. Он сегиз жасқа толған, аўыл хожалығында тийисли қәнигелик ямаса жумыс тәжирийбесине ийе болған Өзбекстан Республикасының пуқарасы фермер болыўы мүмкин. Басқа юридикалық ҳәм физикалық шахслар менен қатнасықларда фермер хожалығы атынан усы хожалықтың баслығы ис алып барады. Фермер хожалығы баслығының ҳуқық ҳәм миннетлерин басқа шахсқа өткериў қадаған етиледи, нызамда нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди.II. ФЕРМЕР ХОЖАЛЫҒЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ
5-статья. Фермер хожалығын шөлкемлестириў шәртлери Фермер хожалығы аўыл хожалығына арналған жерлерде ҳәм резерв жерлерде шөлкемлестириледи. Шарўашылық өнимлерин жетистириўге қәнигелестирилген фермер хожалығы кеминде 30 шәртли бас шарўа малы болған жағдайда шөлкемлестириледи. Шарўашылық өнимлерин жетистириўге қәнигелестирилген фермер хожалығына берилетуғын жер қыйтақларының ең кем өлшеми бир шәртли бас шарўа малға есапланғанда суўғарылатуғын жерлерде тийислисинше, кеминде 0,45 гектарды (нәсилли шарўашылық фермер хожалықлары ушын 0,6 гектарды), суўғарылмайтуғын (қарызғар) жерлерде болса кеминде 2 гектарды қурайды. Дийқаншылық өнимлерин жетистириўге қәнигелестирилген фермер хожалықларына ижараға берилетуғын жер қыйтақларының ең кем өлшеми пахташылық ҳәм ғәллешилик ушын кеминде 30 гектарды, ғәллешилик ҳәм овощ жетистириў ушын кеминде 10 гектарды қурайды. Ижараға берилетуғын жер қыйтақларының ең кем өлшеми бағшылық, жүзим, овощ ҳәм басқа да егинлерди жетистириў ушын кеминде 1 гектарды ҳәмде көби менен 5 гектарды қурайды. Жер қыйтақлары берилгенде фермер хожалығы өз жуўапкершилигине аўыл хожалығы егинлериниң өнимдарлығы (үш жыл ушын орташа жыллық зүрәәт есабында) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген нормативлик өнимдарлықтан кем болмаўын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Бул миннетлеме жер қыйтағын ижараға алыў шәртнамасында тастыйықланып қойылады. (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) 6-статья. Фермер хожалығын шөлкемлестириў тәртиби Фермер хожалығы усы хожалық баслығы тәрепинен шөлкемлестириледи, ол фермер хожалығына тийислисинше өз алдына мүлк ажыратып береди ҳәм уставын тастыйықлайды. Фермер хожалығын шөлкемлестириў ушын оның баслығы белгиленген тәртипте жер қыйтағыналыўы керек. 7-статья. Фермер хожалығын мәмлекетлик дизимнен өткизиў Фермер хожалығы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткизилгеннен кейин шөлкемлестирилген деп есапланады ҳәм оның шөлкемлестириўшиси жер қыйтақларын узақ мүддетли ижараға алыў туўралы шәртнама дүзеди. Фермер хожалығы банк мәкемесинде есап-санақ бети ҳәм басқа да түрдеги есап бетлерин ашыўға, өз атамасы жазылған мөрге ийе болыўға ҳақылы. (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) Фермер хожалығын шөлкемлестириўдиң усы Нызамда белгиленген тәртиби бузылған ямаса хожалықтың уставы нызамға муўапық болмаған жағдайда фермер хожалығын мәмлекетлик дизимге алыўдан бас тартылыўы мүмкин. Мәмлекетлик дизимге алыўдан бас тартылғанлығы, сондай-ақ, дизимге алыў мүддетлериниң бузылғанлығы үстинен судқа шағым етилиўи мүмкин. 8-статья. Фермер хожалығының уставы Фермер хожалығы устав тийкарында жумыс алып барады. Фермер хожалығының үлги уставы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланады. 9-статья. Фермер хожалығы уставының мазмуны Фермер хожалығының уставында төмендегилер көрсетилиўи керек: фермер хожалығының атамасы; фермер хожалығы баслығының фамилиясы, аты, әкесиниң аты ҳәм жасаў орны; фермер хожалығының жайласқан орны ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм почта мәнзили; фермер хожалығының қәнигелесиўи ҳәм жумысының тийкарғы түрлери; уставлық қорының муғдары. Фермер хожалығының уставында нызам ҳүжжетлерине қайшы болмаған басқа да режелер болыўы мүмкин.III. ФЕРМЕР ХОЖАЛЫҚЛАРЫН ЖҮРГИЗИЎ УШЫН ЖЕР ҚЫЙТАҚЛАРЫН БЕРИЎ. ЖЕРДЕН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲӘМ СУЎ ТУТЫНЫЎЫ
10-статья. Фермер хожалықларын жүргизиў ушын берилетуғын жер қыйтақлары Фермер хожалықларын жүргизиў ушын жер қыйтақлары: аўысық жерлерден; юридикалық ҳәм физикалық шахсларға берилмеген, аўыл хожалығына арналған жерлерден; қайта шөлкемлестирилип атырған ҳәм сапластырылып атырған аўыл хожалығы кооперативлериниң (ширкет хожалықларының) ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханалары, мәкемелери ҳәм шөлкемлериниң жер қыйтақларынан; аўыл хожалығы кооперативлериниң (ширкет хожалықларының) ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханалары, мәкемелери ҳәм шөлкемлериниң жер қыйтақларынан бериледи. Фермер хожалықларына аўыл хожалығы кооперативлериниң (ширкет хожалықларының) ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханалары, мәкемелери ҳәм шөлкемлериниң жер қыйтақларынан берилген жер қыйтақлары олардың балансынан шығарылады. (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-cанлы ҚР Нызамына тийкар алып тасланды) Илимий-изертлеў мәкемелери, жоқары оқыў орынлары, академиялық лицейлер, кәсип-өнер колледжлери ҳәм улыўма билим беретуғын мектеплердиң жерлери, сондай-ақ, суў қоры жерлери фермер хожалықларына берилиўи мүмкин емес. Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегарасын, үлкен ҳәм киши дәрьяларды, суў ҳәўизлерин бойлап жайласқан жер қыйтақлары фермер хожалығын жүргизиў ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте бериледи. Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегарасын бойлап бес жүз метрли аймақта жумысы ҳайўанларды (шарўа маллары, қуслар, ҳасыл терили ҳәм басқа да ҳайўанларды, балықлар, пал ҳәррелери, ҳайўанат бағлары ҳәм виварийлардың ҳайўанларын ҳәм басқа да жәниўарларды) көбейтиў, отлатыў ҳәм бағыў менен байланыслы болған шарўашылық, қусшылық ҳәм басқа да бағдардағы фермер хожалықларына жер қыйтақларын бериў қадаған етиледи. 11-статья. Фермер хожалықларын жүргизиў ушын жер қыйтақларын бериў тәртиби Фермер хожалықларын жүргизиў ушын жер қыйтақлары ашық таңлаў тийкарында ижараға елиў жылға шекем болған, лекин отыз жылдан кем болмаған мүддетке бериледи. Фермер хожалығын жүргизиў ушын жер участкалар алыўда фермер хожалығы шөлкемлестирилип атырған жерде жасаўшы шахслар басқа тең шәртлерде үстин ҳуқықтан пайдаланады. (29.06.2019-ж. 258/XXVI санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Аўысық (резерв) жерлерден ямаса юридикалық ҳәм физикалық шахсларға берилмеген, аўыл хожалығына арналған жерлерден жер қыйтақларын бериў (реализация етиў) мәселелерин қарап шығыўшы районлық комиссиясы ҳәмде район фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң жуўмағына муўапық халық депутатлары районлық Кеңесиниң қарары тийкарында қабыл етилген район ҳәкиминиң қарары бойынша бериледи. Жер қыйтағын ижараға алыў шәртнамасына фермер хожалығының баслығы ҳәм район ҳәкими тәрепинен қол қойылады. Район ҳәкиминиң фермер хожалығын жүргизиў ушын жер қыйтағын бериўден бас тартыў ҳаққындағы қарары үстинен судқа ямаса бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға шағым етилиўи мүмкин. Фермер хожалығын жүргизиў ушын жер қыйтақларын алған ҳәм аўыллық елатлық пунктте турақ жайы болған шахслардың үй қапталы қыйтағы сақланып қалады. Фермер хожалығының жер қыйтағы шегараларын натурада (жердиң өзинде) белгилеў ҳәмде жер дүзиў жойбарларына муўапық фермер хожалығына жер қыйтағын ижараға бериў бойынша ҳүжжетлерин рәсмийлестириў жер дүзиў хызмети уйымлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджети, сондай-ақ нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа қаржыландырыў дереклери есабынан әмелге асырылады. (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) 12-статья. Аўыл хожалығы кооперативлери (ширкет хожалықлары) ағзалары тәрепинен фермер хожалығын шөлкемлестириў өзгешеликлери Аўыл хожалығы кооперативлериниң (ширкет хожалықларының) қурамынан шығыў ҳәм фермер хожалығын бийғәрез жүргизиў тилегин билдирген ағзалары усы Нызамның 11-статьясына муўапық жер қыйтағын ижараға алыў ҳуқықына ийе. (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар алып тасланды) 13-статья. Жерден пайдаланыў Фермер хожалығының жер қыйтағына ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыў барысындағы ҳуқық ҳәм миннетлери нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди. Фермер хожалығына берилген жер қыйтақларынан қатаң белгиленген мақсетте пайдаланылады. Олар меншиклестирилиўи, сондай-ақ, алыў-сатыў, гиреў, саўға етиў, алмастырыў объекти болыўы мүмкин емес. (ҚР ЖК 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) Фермер хожалығына берилген жер участкалары усы Нызамныӊ 16-статьясыныӊ биринши бөлими үшинши абзацында нәзерде тутылған жағдайларда юридикалық ҳәм физикалық шахсларға бир жылға шекем болған мүддеттке екилемши ижәраға берилиўи (үшинши шахсларға бериў ҳуқықысыз) мүмкин. (ҚР ЖК 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) Жер қыйтағын ижараға алыў ҳуқықы кредитлер алыўда фермер хожалығы тәрепинен гиреўге қойылыўы мүмкин. Фермер хожалығына берилген жер қыйтағы фермер хожалығы қайта шөлкемлестирилген жағдайда, егер жер қыйтағының бөлиниўи нәтийжесинде жаңадан шөлкемлестирилген жер участкаларының өлшеми усы Нызамның 5-статьясында нәзерде тутылған ең аз өлшемлерден кем болмаса, бөлиниўи мүмкин. Жер қыйтағының өлшеми ҳәм шегаралары тек ғана фермер хожалығы баслығының келисими менен өзгертилиўи мүмкин. Фермер хожалығы баслығы қайтыс болған жағдайда, жер қыйтағын ижараға алыў ҳуқықы нызам ҳүжжетлерине муўапық, ижараға алыў шәртнамасының ҳәрекет етиў мүддетине мийрас бойынша өтеди. Фермер хожалығы баслығы пенсия жасына толғанда ямаса мийнет уқыбын жойытқанда, сондай-ақ мүддетли әскерий хызметке шақырылғанда, жоқары оқыў орынларына күндизги оқыўға қабыл етилген, сайлап қойылатуғын лаўазымларға сайланған жағдайда, жер қыйтағын ижараға алыў ҳуқықын өзиниң район ҳәкиминиң атына берилген арзасына тийкар усы Нызамның 4-статьясының биринши бөлими талапларына жуўап беретуғын өз шаңарақ ағзаларынан бирине нызам ҳүжетлерине муўапық ижара шәртнамасы ҳәрекет ететуғын мүддетке бериўи мүмкин. (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) Жер қыйтағын ижараға алыў шәртнамасының ҳәрекет етиў мүддети тамамланғаннан кейин фермер хожалығы ижараға алыў шәртнамасын жаңа мүддетке узайтыў ҳуқықына ийе. Фермер хожалығының баслығы қайтыс болған жағдайда, ижараға алыў шәртнамасын жаңа мүддетке узайтыў ҳуқықына оның мийрасхоры ийе болады. Жер қыйтағын ижараға алыў шәртнамасы тәреплердиң келисиўине муўапық, тәреплер келисимге келмеген жағдайда болса, суд тәрепинен өзгертилиўи ямаса бийкар етилиўи мүмкин. Фермер хожалығы сапластырылған жағдайда, жер қыйтағын ижараға алыў шәртнамасы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте бийкар етилиўи шәрт. 14-статья. ҚР ЖК 25.04.2009ж.240/III Нызамы менен алып тасланды 15-статья. Суў тутыныўы Фермер хожалықларының суў тутыныўы оларға хызмет көрсетиўши суўдан пайдаланыўшылар бирлеспелери тәрепинен белгиленетуғын суў объектлеринен суў алыў лимитлери тийкарында белгиленген тәртипте әмелге асырылады.IV ФЕРМЕР ХОЖАЛЫҚЛАРЫНЫҢ ҲУҚЫҚЛАРЫ, МИННЕТЛЕРИ ҲӘМ МYЛКИ
16-статья. Фермер хожалығының ҳуқықлары Фермер хожалығы төмендеги ҳуқықларға ийе: берилген жер қыйтағында өз уставында нәзерде тутылған қәнигелесиўге ҳәм ижараға алыў шәртнамасына муўапық, фермер хожалығының өндирислик жумысын шөлкемлестириў; жер участкасын юридикалық ҳәм физикалық шахсларға аўыл хожалық егинлерин аралық егиў ушын екилемши ижәраға бериў (үшинши шахсларға бериў ҳуқықысыз); (ҚР ЖК 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) қәнигелесиўди есапқа алған ҳалда ҳәм дүзилген контрактация шәртнамалары тийкарында аўыл хожалық егинлерин жайластырыўды әмелге асырыў; сатып алынатуғын өнимге алдын-ала ҳақы төленетуғын фьючерс контрактларын дүзиў; жетистирилген өнимди, соның ишинде усы өнимди тутыныўшыларға реализация етиў ҳуқықына өз қәлеўине қарай бийлик етиў; жетистирип атырған өнимлери, орынлап атырған жумыслары ҳәм көрсетип атырған хызметлерине баҳа белгилеў; электр энергиясы, жанылғы-майлаў материаллары, минерал төгинлердиң, өсимликлерди қорғаўдың химиялық ҳәм биологиялық қураллары жеткерип берилиўи, суў хожалығы хызметлери, техникалық ҳәм басқа да хызметлер көрсетилиўи ушын шәртнамалар дүзиў; исбилерменлик жумысынан нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте салық салынатуғын, шекленбеген муғдарда дәрамат (пайда) алыў; алған дәраматларына (пайдасына), банк мәкемесиндеги өзиниң есап бетлеринде болған ақша қаржыларына бийлик етиў; акциялар ҳәм басқа баҳалы қағазлар алыў; кредитлер алыў, басқа юридикалық ҳәм физикалық шахслардың ақша қаржыларын ҳәм басқа да мүлкин шәртнама тийкарында тартыў ҳәм оларды өндириске ҳәм такрар ислеп шығарыўға бағдарлаў; кредитлер алыў ушын өз мүлкин, сондай-ақ жер қыйтағын ижараға алыў ҳуқықын гиреўге қойыў; киши ҳәм жеке кәрханалар ушын берилген жеңилликлер ҳәм преференциялардың барлық түрлеринен пайдаланыў; зәрүр әсбап-үскенелер, өндирис қураллары ҳәм басқа да мүлкти алыў, ижараға алыў, имаратлар ҳәм қурылмалар қурыў және оларды оңлаў; өндириске заманагөй технологияларды, илим ҳәм техника жетискенликлерин енгизиў; илим-билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиў; (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) өз ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ушын судқа мүрәжат етиў. Фермер хожалығы нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин. 17-статья. Фермер хожалығының миннетлери Фермер хожалығы; жер қыйтағынан нызам ҳүжжетлеринде ҳәм ижараға алыў шәртнамасында көрсетилген шәртлер тийкарында, белгиленген мақсетте, өндириске енгизилген агротехнологиялық талапларына ҳәм егис айланысы принциплерине сай нәтийжели пайдаланылыўын тәмийинлеўи; экологиялық талапларға ҳәм қоршап турған орталықты қорғаўдың басқа да қәделерине бойсыныўы; жер қыйтағының мелиоративлик аўҳалын жақсылаў, оның өнимдарлығын сақлап қалыў ҳәм арттырыў илажларын көриўи, бизнес жобада усы мақсет ушын қаржылар ажыратылыўын нәзерде тутыўы; егер ижараға алыў шәртнамасында басқа мүддет белгиленген болмаса, жер қыйтағы берилген ўақыттан баслап бир жыл ишинде оннан пайдаланыўға кирисиўи; дүзилген контрактация шәртнамаларына муўапық, мәмлекетлик мүтәжликлер ушын аўыл хожалығы өнимлерин нәзерде тутылған көлемлерде жеткерип берилиўин тәмийинлеўи; пахта ҳәм дән егинлерин сортлар бойынша жайластырыўдың белгиленген талапларына бойсыныўы; суў ресурсларынан суў тутыныўы ҳаққындағы шәртнамаға муўапық пайдаланыўы, суўды үнемлеў, суў ресурсларынан мақсетли ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў илажларын көриў; усы фермер хожалығы ағза болған суў тутыныўшылары бирлеспеси балансында турған суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақларын тазалаў ҳәм оңлаўда белгиленген тәртипте қатнасыўы, сондай-ақ, оларды техникалық жақтан саз жағдайда сақлаўы, олардан пайдаланыўдың белгиленган қағыйдаларына бойсыныўы; суў объектлериниң суўды қорғаў зоналары, жаға бойы аймақлары, санитариялық қорғаў зоналарын қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳәм шәртлерине бойсыныўы; жер қыйтағын сақлаў шәртлерине ҳәм сервитутларға бойсыныўы; мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларына бойсыныўы, өз хызметкерлери, соның ишинде фермер хожалығында мийнет ететуғын шаңарақ ағзалары, ўақтынша (мәўсимли) жалланатуғын пуқаралар ушын қәўипсиз мийнет шараятларын тәмийинлеўи; ижараға алыў шәртнамасы бийкар етилген жағдайда жер участкасының дәслеп берилген ўақтындағы өлшемлерин кемейтирмеген ҳәм басқа түрде зыян жеткизбеген ҳалда жер участкасын ижараға бериўшиге қайтарыўы; (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди, сондай-ақ көрсетилген хызметлер ушын төлемлерди белгиленген тәртипте өз ўақтында төлеўи; (ҚР ЖК 22.05.2010-ж. 31/II-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде агротехникалық талапларға бойсыныўы; аўыл хожалығы өсимликлериниң зыянкеслер, кеселликлер ҳәм жабайы шөплерден қорғалыўын тәмийинлеўи шәрт. Фермер хожалығы жуўапкершилигинде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин. 18-статья. Фермер хожалығының уставлық қоры Фермер хожалығының уставлық қоры фермер хожалығының баслығы тәрепинен белгиленеди. Ақша, баҳалы қағазлар, имаратлар, қурылмалар, басқа да мүлк ямаса пул менен баҳаланатуғын мүлклик ҳуқықлар фермер хожалығының уставлық қорына қосылатуғын үлес болыўы мүмкин. Бунда фермер хожалығын жүритиў ушын жер участкасын бериў бойынша ашық таңлаўда көрсетип өтилген мал-мүлк, техника ҳәм ақша қаржылары фермер хожалығы баслығы тәрепинен фермер хожалығының устав фондына киргизиледи. (ҚР ЖК 30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Егер фермер хожалығының уставлық қоры қәлиплестирилип атырғанда фермер хожалығының баслығы өз шаңарақ ағзаларының улыўма (үлесли ямаса биргеликтеги) мүлки есапланған мүлкти фермер хожалығына тапсырып атырған болса, усы мүлктиң барлық меншик ийелеринен нотариал тастыйықланған келисим алыў талап етиледи. Фермер хожалығының уставлық қорын көбейтиў ҳәм кемейтиў фермер хожалығы баслығының шешимине муўапық фермер хожалығы уставына өзгерислер киргизиў жолы менен әмелге асырылады. 19-статья. Фермер хожалығының меншик ҳуқықы Фермер хожалығының меншик ҳуқықы мәмлекет қорғалыўында болып табылады. Имаратларға, қурылмаларға, аўыл хожалығы егисликлерине ҳәм мийўе нәллерине, терекликлерге, шарўа малларына, қусларға, жетистирген өнимине, аўыл хожалығы техникасына, инвентарьға, әсбап-үскенелерге, транспорт қуралларына, ақша қаржыларына, интеллектуал мүлк объектлерине, сондай-ақ, фермер хожалығының балансындағы басқа мүлкке болған меншик ҳуқықы фермер хожалығына тийисли болып табылады. Фермер хожалығы баслығының ақша ҳәм материаллық қаржылары, товарларды реализация етиўден (жумысларды орынлаўдан, хызметлер көрсетиўден) алынған дәраматлар (пайда), баҳалы қағазлардан келген дәраматлар, нызамларда қадаған етилмеген басқа да дереклер фермер хожалығының мүлкин қәлиплестириў дереклери болыўы мүмкин. Фермер хожалығы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте мүлкти пайда етиў, көбейтиў, алыў, сатыў, ижараға ямаса ўақытша пайдаланыўға алыў ҳуқықына ийе. Фермер хожалығы сапластырылып атырғанда жумысын әмелге асырыў дәўиринде өз қаржылары есабынан жаратылған мүлкке нызам актлеринде белгиленген тәртипте еркин бийлик етиўи мүмкин. 20-статья. Фермер хожалығының қаржылары ҳәм есапласыўлары Фермер хожалығы ақша айланысын жүргизиў ҳәм ақша қаржыларын сақлап турыўы ушын банк мәкемесинде есап бетлерин ашыў ҳәм усы қаржыларға еркин бийлик етиў ҳуқықына ийе. Фермер хожалығының есап бетинен қаржыларды тек ғана фермер хожалығы баслығының келисими менен ямаса судтың қарарына муўапық есаптан шығарыўға болады. 21-статья. Фермер хожалығының мүлкин мийрас етип қалдырыў Фермер хожалығының мүлки нызам ҳүжжетлерине муўапық мийрас етип қалдырылады. Хожалықта жумысты даўам еттиретуғын мийрасхорлар мийрасқа болған ҳуқық ҳаққындағы гүўалық берилгенлиги ушын мәмлекетлик бажы төлеўден азат етиледи.V. ФЕРМЕР ХОЖАЛЫҒЫ ЖУМЫСЫНЫҢ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛИЎИ
22-статья. Фермер хожалығының өндирислик жумысы Фермер хожалығы өз уставында ҳәм жер қыйтағын ижараға алыў шәртнамасында нәзерде тутылған қәнигелесиўге муўапық жумыс бағдарларын, өндирислик дүзилиси ҳәм көлемлерин ғәрезсиз рәўиште белгилейди. Фермер хожалығы аўыл хожалығы өндирисиниң ҳәр қандай түри менен, сондай-ақ аўыл хожалығы өнимин қайта ислеў, сақлаў ҳәм реализация етиў, санаат өндириси, жумысларды орынлаў, хызметлер көрсетиў ҳәмде нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа жумыс түрлери менен шуғылланыўға ҳақылы. (ҚР ЖК 30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Фермер хожалығы өзи жетистирип атырған өним ҳәм ислеп шығарып атырған товарлар, орынлап атырған жумыслар ҳәм көрсетип атырған хызметлер сапасына байланыслы нормативлер ҳәм стандартларға, экологияға, санитарияға байланыслы ҳәмде нызам ҳүжжетлеринде белгилеп қойылған басқа талаплар ҳәм қағыйдаларға әмел етиўи шәрт. (ҚР ЖК 30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Фермер хожалықларының хожалық жумысына мәмлекетлик уйымлар және басқа да уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ олардың лаўазымлы шахслары араласыўына жол қойылмайды. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да уйымлар және шөлкемлердиң нызамсыз қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәм пуқаралардың нызамсыз ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) нәтийжесинде фермер хожалығына келтирилген зәлел, соның ишинде қолдан жиберилген пайда нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте өтеледи. Фермер хожалығы сыртқы экономикалық жумысты белгиленген тәртипте әмелге асырады. 23-статья. Фермер хожалығындағы мийнет Фермер хожалығы (жумыс бериўши) ҳәм оның хызметкерлери арасындағы мийнет қатнасықлары нызам ҳүжжетлерине муўапық мийнет шәртнамасы (контракты) менен тәртиплестириледи. Фермер хожалығындағы жумыс тәртиби хожалық баслығы тәрепинен нызам ҳүжжетлерине муўапық белгиленеди. Фермер хожалығы хызметкерлериниң мийнет жумысы есабын алып барыў хожалық баслығы тәрепинен шөлкемлестириледи. Фермер хожалығы хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў тәреплердиң келисиўи бойынша ақша ҳәм натура түринде нызам ҳүжжетлеринде Мийнетке ҳақы төлеўдиң бирден-бир тариф сеткасының биринши разряды бойынша белгиленген муғдардан кем болмаған муғдарда белгиленеди. (ҚР ЖК 28.12.2013-ж. 187/ХIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) Фермер хожалығының баслығы ҳәм хызметкерлери мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдан өткериледи. Оларға мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша напақа ҳәм пенсиялар тайынлаў және төлеў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте ҳәм шәртлер тийкарында әмелге асырылады. 24-статья. Өнимди фермер хожалығы тәрепинен реализация етиў тәртиби Фермер хожалығы өзи жетистирип атырған өнимди реализация етиў, соның ишинде мәмлекет зәрүрликлери ушын реализация етиў мақсетинде юридикалық ҳәм физикалық шахслар менен хожалық шәртнамаларын дүзиў ҳуқықына ийе. Шәртнама миннетлемелери бузылған жағдайда тәреплер нызам ҳүжжетлеринде ямаса шәртнамада белгиленген тәртипте жуўапкер болады. Фермер хожалығы жетистирип атырған өнимниң экспортқа жеткерип берилиўи нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. 25-статья. Фермер хожалықларының биргеликтеги жумысы Фермер хожалықлары ықтыярлы тийкарда бирлесиўи, өним жетистириў, сатып алыў, оны қайта ислеў ҳәм сатыў, материаллық ҳәм техникалық тәмийинлеў, қурылыс, техникалық, суў хожалығы, ветеринариялық, агрохимиялық мәсләҳәт бериў ҳәм басқа да түрдеги хызметлер көрсетиў бойынша аўқамлар ҳәм басқада бирлеспелерге кириўи мүмкин. Фермер хожалықларының Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине ағза болыўы мәжбүрий есапланады. (ҚР ЖК 29.06.2019-ж. 258/XXVI санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 26-статья. Фермер хожалығын кредитлеў ҳәм қамсызландырыў Нызам ҳүжжетлерине муўапық фермер хожалығы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларына салықлар, жыйымлар ҳәм басқа төлемлер төлейди. (ҚР ЖК 18.08.2020-ж. 47/VI санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Фермер хожалығының пайдасы салықлар, жыйымлар ҳәм басқа төлемлер төленгенинен кейин фермер хожалығы баслығының бийлигине өтеди. (ҚР ЖК 18.08.2020-ж. 47/VI санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 27-статья. Фермер хожалығына салық салыў Нызам ҳүжжетлерине муўапық фермер хожалығы Мәмлекетлик бюджетке ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер төлейди. Фермер хожалығының пайдасы салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер төленгеннен кейин фермер хожалығы баслығының бийлигине өтеди ҳәм оған салық салынбайды. 28-статья. Фермер хожалығы жумысының нәтийжелери есабын жүргизиў Фермер хожалығы өз жумысының нәтийжелери есабын алып барады ҳәм жергиликли статистика және салық уйымларына белгиленген тәртипте есабат тапсырады.VI. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР
29-статья. Фермер хожалықларын мәмлекетлик ҳәм басқа да түрде қоллап-қуўатлаў Мәмлекет фермер хожалықларының ҳуқықлары сақланыўына ҳәм нызамлы мәплери қорғалыўына кепиллик береди. Мәмлекетлик уйымлар фермер хожалықларын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге көмеклесиўи шәрт. Республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, поселкалық, аўыллық пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары өз ўәкилликлери шеңберинде нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте; (ҚР ЖК 30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) өндирислик ҳәм социаллық-турмыслық әҳмийетке ийе объектлери болмаған аймақта фермер хожалықлары шөлкемлестирилгенде усы аймақты бирлемши абаданластырыўды (жоллар, электр узатыў ҳәм байланыс линияларын қурыўды, суў менен тәмийинлеўди, газлестириўди, телефонластырыўды, радиоластырыўды, жер дүзиўди, жерлерди мелиорациялаўды) әмелге асырады; фермер хожалықларына жер участкаларын береди ҳәмде өндирислик объектлер ҳәм турақ-жайларды қурыўда жәрдем көрсетеди; (ҚР ЖК 30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) фермер хожалықларының өндирислик объектлерин инженерлик - коммуникация тармақларына жалғаныўға көмеклеседи; пайдаланылмай атырған жасаў ушын арналмаған жайларды оларда өндирис жетистириўди ҳәм товарлар ислеп шығарыўды (жумысларды орынлаўды, хызметлер көрсетиўди) шөлкемлестириў ушын ижараға береди; фермер хожалықлары баслықлары ҳәм хызметкерлерин таярлаўға, қайта таярлаўға ҳәм маманлығын асырыўға көмеклеседи; (ҚР ЖК 30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) аўыл хожалығы егинлериниң сортлы туқымлық ҳәм егислик материаллары, органикалық ҳәм минерал төгинлер, аўыл хожалығы өсимликлерин зыянкеслерден, кеселликлер ҳәм жабайы шөплерден қорғаў қуралларын жеткерип бериў бойынша мәмлекетлик агротехника хызметин көрсетиў системасы арқалы хызметлер, сондай-ақ техникалық хызмет көрсетеди; аўыл хожалығы техникасы, әсбап-үскенелер ҳәм инвентарларды лизинг тийкарында сатып алыўға көмеклеседи; нәсил шарўа маллары ҳәм қуслар, сондай-ақ, араласпа жем сатып алыўда жәрдем береди; фермер хожалықларының шарўа малларына ветеринария хызмет көрсетилиўи ушын зәрүр шараятлар жаратып береди;(ҚР ЖК 11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) фермер хожалықларында жетистирилген аўыл хожалығы өнимлерин таярлаў ҳәм реализация етиўде жәрдем береди; аўыл хожалық емес бағдардағы өндиристи шөлкемлестирип атырған фермерлерди хошаметлейди; консалтинг, мәлимлеме бағдарындағы ҳәм басқа да түрдеги хызметлерди көрсетеди. Жеке исбилерменликти раўажландырыў ушын нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған қоллап-қуўатлаўдың басқа түрлери фермер хожалықларына да қолланылады. 30-статья. Фермер хожалығы жумысын тексериўлер шекленгенлиги Фермер хожалығы жумысын тексериў (финанс-хожалық жумысын тексериўлер буған кирмейди), мәмлекет зәрүрликлери ушын өнимлерди реализация етиў шәртнама миннетлемелери орынланбаған ямаса жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылғанлығына дәлийллер болған сондай-ақ бирден-бир жер салығы өз ўақтында төленбеген жағдайларда, ижараға алыў шәртнамасына муўапық ижараға берилген жер участкасынан тек ғана белгиленген мақсетте ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў мәселелери бойынша, белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Фермер хожалықларының жумысын жобалы тексериўлер кеминде төрт жылда бир мәрте әмелге асырылады. (ҚР ЖК 11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) Жаңадан шөлкемлестирилген фермер хожалықларының финанс-хожалық жумысы олар мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап дәслепки үш жыл даўамында жобалы тексериўлерден өткизилмейди, бул статьяның төртинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары. Акциз төленетуғын товарлар ислеп шығарыўшы жаңадан шөлкемлестирилген фермер хожалықларының финанс-хожалық жумысы, сондай-ақ фермер хожалықларының бюджет ҳәмде орайластырылған қәрежетлер ҳәм ресурслардан мақсетли пайдаланыў менен байланыслы финанс-хожалық жумысы олар мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап дәслепки еки жыл даўамында режели тексериўлерден өткизилмейди. (ҚР ЖК 29.08.2006-ж. 94/III–санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген). Усы статьяда көрсетилген фермер хожалықларының финанс-хожалық жумысы салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер финанс жылы даўамында турақлы түрде төленбеген жағдайда, жобалы тексериўлерден өткерилиўи мүмкин. (ҚР ЖК 11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) 31-статья. Фермер хожалығын қайта шөлкемлестириў Фермер хожалығын қайта шөлкемлестириў (қосып жибериў, қосып алыў, бөлиў, ажыратып шығарыў, өзгертиў) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Көп тармақлы фермер хожалығының жер участкалары аўысық (резерв) жерлерге алып қойылғанда көп тармақлы фермер хожалығы өз басшысы тәрепинен оның шөлкемлестириў-ҳуқықый түрин өзгертириў арқалы қайта шөлкемлестирилиўи мүмкин. (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) 32-статья. Фермер хожалығын сапластырыў тийкарлары Фермер хожалығы төмендеги жағдайларда сапластырылады; фермер хожалығын жүритиў ушын жер участкасын бериў бойынша ашық таңлаўда фермер хожалығы баслығы тәрепинен көрсетип өтилген мал-мүлк, техника ҳәм пул қаржылары устав фондына киргизилмегенде; (ҚР ЖК 30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамы, ҚР ЖК 18.08.2020-ж. 47/VI санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) финанс-хожалық жумысы әмелге асырылмағанлығы себепли белгиленген тәртипте ҳәрекетсиз режимге өткизилген ўақыттан баслап үш жыл ишинде жумысы тикленбеген жағдайда; (ҚР ЖК 18.08.2020-ж. 47/VI санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) жер қыйтағын ижараға алыў ҳуқықынан ықтыярлы бас тартылғанда; фермер хожалығы банкрот деп табылғанда, соның ишинде материаллық-техникалық ресурсларды жеткерип бериўшилер, жумыс орынлаўшылар ҳәм хызмет көрсетиўшилер менен есапласыўлар турақлы рәўиште әмелге асырылмағанда; фермер хожалығының баслығы қайтыс болып, хожалық жумысын даўам еттириўди қәлеўши мийрасхор болмаса; мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын, ямаса жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын, соның ишинде фермер хожалығының жер қыйтағынан белгиленген мақсетте пайдаланбағанда, атап айтқанда контрактация шәртнамасында нәзерде тутылмаған аўыл хожалығы егинлерин еккенде жер қыйтағын алып қойыў зәрүрлиги болған жағдайда, жер қыйтағын ижараға алыў шәртнамасы белгиленген тәртипте бийкар етилсе, сондай-ақ Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қайтақ жер ийелери кеңесине ағзалығы районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслери қарарына муўапық сапластырылыўына байланыслы. (ҚР ЖК 29.06.2019-ж. 258/XXVI санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 33-статья. Фермер хожалығын сапластырыў тәртиби Фермер хожалығы: фермер хожалығы баслығының шешимине муўапық; нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайларда судтың шешимине муўапық; финанс-хожалық жумысы әмелге асырылмағанлығы себепли белгиленген тәртипте ҳәрекетсиз режимге өткизилген ўақыттан баслап үш жыл ишинде жумысы тикленбеген жағдайда дизимнен өткизиўши уйымның шешимине муўапық сапластырылады (ҚР ЖК 18.08.2020-ж. 47/VI санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 34-статья. Тартысларды шешиў Фермер хожалықларының шөлкемлестирилиўи, жумысы, қайта шөлкемлестирилиўи ҳәм сапластырылыўы саласындағы тартыслар нызам ҳүжжетлерине муўапық шешиледи. 35-статья. Фермер хожалығының миннетлемелери бойынша жуўапкерлик Фермер хожалығы өз миннетлемелери бойынша, соның ишинде дүзилген контрактация шәртнамаларына муўапық мәмлекет зәрүрликлери ушын аўыл хожалығы өнимлерин нәзерде тутылған көлемлерде жеткерип берилиўин тәмийинлеў бойынша, сондай-ақ материаллық-техникалық ресурслар жеткерип берилгенлиги ҳәм хызметлер көрсетилгенлиги ушын өз ўақтында ҳақы төлеў бойынша нызамларға муўапық өндириў қаратылыўы мүмкин болған өз мүлки менен жуўап береди. Фермер хожалығының баслығы фермер хожалығының мүлки жетерли болмаған жағдайда, фермер хожалығының миннетлемелери бойынша өзине тийисли мүлк пенен нызам ҳүжжетлерине муўапық субсидиар жуўапкер болады. Хызметкердиң мийнет миннетлемелерин орынлаўына байланыслы оның өмири ҳәм ден саўлығына келтирилген зыян ушын жуўапкер болған қайта шөлкемлестирилип атырған ямаса сапластырылып атырған фермер хожалығында қаржы болмаған ямаса жетерли болмаған жағдайда, өндирилиўи шәрт болған суммалар нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған тәртипте мәмлекет тәрепинен төленеди. 36-статья. Фермер хожалығы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкерлик Фермер хожалығы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.