Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ
  • Бас бет
  • Ҳүжжетлер
  • "Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ-жайларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында" Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

"Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ-жайларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында" Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

[ОКОЗ:Өзбекстан Республикасы Конституциясының 47-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасында халықтың турақ-жайға болған ҳуқықы әмелге асырылыўы ушын шараятлар жаратыў, физикалық шахслар тәрепинен қурылған көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықларды тән алыў арқалы халықты социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

[ОКОЗ:

1.03.00.00.00 Фуқаролик қонунчилиги / 03.04.00.00 Фуқаролик қонунчилиги объектлари / 03.04.03.00 Моддий неъматлар / 03.04.03.02 Кўчмас мулкка бўлган ҳуқуқларни давлат рўйхатига олиш;

2.11.00.00.00 Атроф табиий муҳит ва табиий ресурслар / 11.03.00.00 Ердан фойдаланиш ва муҳофаза қилиш / 11.03.08.00 Ерга нисбатан мулк ва бошқа ҳуқуқлар / 11.03.08.01 Ер участкасига мулк ҳуқуқи (шунингдек, 03.08.03.00, 03.08.04.00 га қаранг);

3.11.00.00.00 Атроф табиий муҳит ва табиий ресурслар / 11.03.00.00 Ердан фойдаланиш ва муҳофаза қилиш / 11.03.08.00 Ерга нисбатан мулк ва бошқа ҳуқуқлар / 11.03.08.02 Ер участкасига мерос қилиб қолдириладиган умрбод эгалик қилиш ҳуқуқи (шунингдек, 03.08.07.03 га қаранг)]

1. Қарақалпақстан Республикасы аймағында:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жылы 3- августтағы «2016-2017-жыллар даўамында физикалық ҳәм юридикалық тәреплеме тийисли болған көшпес мүлк объектлерин жалпы хатлаўдан өткериў ҳаққында»ғы 251-сан қарарына тийкар ҳуқық белгилеўши ҳүжжетлерсиз 71 987 турақ жайға болған ҳуқықлар айтылғаны;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жылы 20-апрелдеги «Пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳәм өзбасымшалық пенен қурылған турақ жайларға салыстырғанда мүлк ҳуқықын көрсетиў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясын өткериў ҳаққында»ғы ПП-5421-сан Пәрманына тийкар ҳуқық белгилеўши ҳүжжетлерсиз 50 361 турақ-жайға болған ҳуқықлар айтылғаны;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мағлыўматларына бола, жоқарыдағы қарар ҳәм Пәрман шеңберинде ҳуқық тән алынбаған қосымша 43 432 турақ-жайлар бар екени мағлыўмат ушын қабыллансын.

[ОКОЗ:

1.01.00.00.00 Конституциявий тузум / 01.06.00.00 Инсон ва фуқаронинг ҳуқуқлари, эркинликлари ва бурчлари / 01.06.01.00 Умумий қоидалар;

2.03.00.00.00 Фуқаролик қонунчилиги / 03.08.00.00 Мулк ҳуқуқи ва бошқа ашёвий ҳуқуқлар / 03.08.01.00 Умумий қоидалар;

3.07.00.00.00 Молия ва кредит тўғрисидаги қонунчилик. Банк фаолияти / 07.09.00.00 Солиқ қонунчилиги / 07.09.03.00 Солиқлар ва йиғимлар;

4.11.00.00.00 Атроф табиий муҳит ва табиий ресурслар / 11.02.00.00 Атроф табиий муҳитни муҳофаза қилиш ва экологик хавфсизликни таъминлаш / 11.02.04.00 Муҳофаза қилинадиган табиий ҳудудлар / 11.02.04.08 Сув муҳофазаси зонаси. Қирғоқ бўйи минтақаси. Сув объектларининг санитария муҳофазаси зоналари. Ер усти ва ер ости сувларининг ҳосил бўлиш зоналари;

5.11.00.00.00 Атроф табиий муҳит ва табиий ресурслар / 11.03.00.00 Ердан фойдаланиш ва муҳофаза қилиш / 11.03.07.00 Ерларнинг айрим тоифалари ва турларининг ҳуқуқий режими / 11.03.07.05 Тарихий-маданий мақсадларга мўлжалланган ерлар;

6.11.00.00.00 Атроф табиий муҳит ва табиий ресурслар / 11.03.00.00 Ердан фойдаланиш ва муҳофаза қилиш / 11.03.07.00 Ерларнинг айрим тоифалари ва турларининг ҳуқуқий режими / 11.03.07.08 Захира ерлар;

7.11.00.00.00 Атроф табиий муҳит ва табиий ресурслар / 11.03.00.00 Ердан фойдаланиш ва муҳофаза қилиш / 11.03.08.00 Ерга нисбатан мулк ва бошқа ҳуқуқлар / 11.03.08.06 Ер участкаларининг ижара ҳуқуқи]

2. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы аймағында пуқаралардың ҳуқық белгилеўши ҳүжжетлерсиз қурылған турақ-жайлары жайласқан жер участкасына ижара ҳуқықын, онда жайласқан имаратларға мүлк ҳуқықын тән алыў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын. Бунда:

а) жер участкасына ижара ҳуқықы ҳәм имаратларға мүлк ҳуқықын тән алыў ушын:

пуқара бул турақ-жайдан 2018-жылы 1-майға шекем болған дәўирден баслап өзиники сыяқлы ҳалал, әшкара ҳәм үзликсиз пайдаланған болыўы, бул жағдай космослық сүўретлерди қайта ислеў арқалы ҳәм соңғы бес жыл ушын жер салығы ҳәм мал-мүлк салығы төленгени менен тастыйықланған болыўы;

ҳуқықты тән алыў басқа тәреплердиң ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбаўы;

жер участкасы бос болмаўы, онда қурылған турақ-жай жасаў ушын мөлшерленген болыўы, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына қәўип туўдырмаўы;

жер участкасы суўғарылатғын жерлер, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар, тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлер, транспорт, байланыс ҳәм қорғаныў мақсетлерине мөлшерленген жерлер, химиялық яки радиоактив элементлер менен патасланған жерлер категориясына кирмеўи, суў объектлериниң санитария қәўипсизлиги зоналарында, жер үсти ҳәм жер асты суўларының пайда болыў зоналарында жайласпаған болыўы шәртлиги;

б) жер участкасына ижара ҳуқықы 1998-жылы 30-апрельге шекем ийеленген жерлер ушын — 0,24 гектарға шекем, 1998-жылы 1-майдан 2018-жылы 1-майға шекем ийеленген жерлер ушын — 0,06 гектарға шекем көлемде көрсетилиўи;

в) турақ-жай ийелери ҳәм район (қала) ҳәкими арасында жер участкасы ижарасы шәртнамасын дүзиў талап етилмеўи;

г) бул бәнт шеңберине түспейтуғын яки белгиленген көлемнен артықша жер участкалары резервке қайтарылыўы, оларды бериў (реализациялаў) Жер кодексинде белгиленген тәртипте әмелге асырылыўы есапқа алынсын.

[ОКОЗ:

1.01.00.00.00 Конституциявий тузум / 01.15.00.00 Маҳаллий давлат ҳокимияти органлари / 01.15.01.00 Маҳаллий давлат вакиллик органлари (Халқ депутатлари кенгашлари) / 01.15.01.01 Умумий қоидалар. Маҳаллий вакиллик органларини сайлаш тартиби]

3. Белгилансин, бул Пәрманға муўапық ҳуқықларды атап өтиў халық депутатлары районлық (қалалық) Кеңеслериниң қарарлары менен тастыйықланған турақ-жайлар дизимине муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси қарары менен рәсмийлестириледи. Бунда:

талабанлар ҳәм (яки) шегаралас жер участкалары ийелери арасында келиспеўшилик бар болған жағдайларда, халық депутатлары район (қала) Кеңеслериниң қарарлары келиспеўшилик шешилгеннен кейин қабылланады;

халық депутатлары район (қала) Кеңеслери тәрепинен бул бәнтке тийкар қарарлар қабыл етиў ҳәм оларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиўдиң ақырғы мүддети — 2024-жылы 1-август сәнеси есапланады;

халық депутатлары район (қала) Кеңеслери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң бул бәнтте нәзерде тутылған қарарлары тийисли әдиллик уйымында ҳуқықый экспертизадан өткерилгеннен кейин қабылланды ҳәм рәсмий жәрияланғаннан кейин күшке киреди.

 LexUZ шарҳи

Қаранг: Ўзбекистон Республикасининг «Маҳаллий давлат ҳокимияти тўғрисида»ги Қонуни.

[ОКОЗ:

1.02.00.00.00 Давлат бошқаруви асослари / 02.03.00.00 Республика давлат бошқаруви органлари ва хўжалик бошқаруви органлари / 02.03.04.00 Агентликлар, инспекциялар ва бошқа идоралар]

4. Төмендегилер Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине:

Кадастр агентлиги — бир ҳәпте мүддетте өзиниң электрон мағлыўматлар базасына киргизилген турақ-жайлар дизимин районлар ҳәм қалалар кесиминде;

«Ўзбеккосмос» агентлиги — Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен келисилген график тийкарында аймақлардың 2018-жыл 1-майға шекемги болған жағдайына космик сүўретлерин қайта ислеў нәтийжесинде алынған мағлыўматларды;

Салық комитети — еки ай мүддетте Кадастр агентлигиниң электрон мағлыўматлар базасына киргизилген турақ-жайлар арасынан соңғы бес жыл ушын жер салығы ҳәм мал-мүлк салығы төленген турақ-жайлар ҳаққындағы мағлыўматларды;

мәмлекетлик кадастрларды жүритиўге жуўапкер болған министрлик, уйым ҳәм шөлкемлер – еки ай мүддетте өзлерине бириктирилген аймақта жайласқан, бул Пәрманның 2-бәнти «а» киши бәнтине муўапық ҳуқық тән алыныўы лазым болмаған турақ-жайлар ҳаққындағы мағлыўматларды усынсын.

 LexUZ шарҳи

Қаранг: Ўзбекистон Республикаси Солиқ кодексининг XV ва XVI бўлимлари.

[ОКОЗ:

1.01.00.00.00 Конституциявий тузум / 01.12.00.00 Қорақалпоғистон Республикаси қонунчилик ва ижро органлари / 01.12.01.00 Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси;

2.07.00.00.00 Молия ва кредит тўғрисидаги қонунчилик. Банк фаолияти / 07.09.00.00 Солиқ қонунчилиги / 07.09.03.00 Солиқлар ва йиғимлар]

5. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине бул Пәрманды әмелге асырыў бойынша шөлкемлестирилген илажларды белгилеў, атап айтқанда:

Қарақалпақстан Республикасы, районлар ҳәм қалалар бойынша исши топарлар шөлкемлестириў;

ҳуқық белгиленлеги ушын бир мәртелик жыйым енгизиў, оннан түскен қәрежетлерди сарыплаў бағдарларын белгилеў;

бул Пәрманды әмелге асырыў бойынша хәрежетлер ушын, атап айтқанда, «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған пуқараларға көмеклесиў, космик сүўретлерди қайта ислеў ушын Қарақалпақстан Республикасының республика бюджети, районлар ҳәм қалалар бюджетлери, бир мәртелик жыйымнан түскен пулларды бағдарлаў ўәкиллиги берилсин.

[ОКОЗ:

1.11.00.00.00 Атроф табиий муҳит ва табиий ресурслар / 11.03.00.00 Ердан фойдаланиш ва муҳофаза қилиш / 11.03.07.00 Ерларнинг айрим тоифалари ва турларининг ҳуқуқий режими / 11.03.07.01 Қишлоқ хўжалигига мўлжалланган ерлар;

2.11.00.00.00 Атроф табиий муҳит ва табиий ресурслар / 11.03.00.00 Ердан фойдаланиш ва муҳофаза қилиш / 11.03.07.00 Ерларнинг айрим тоифалари ва турларининг ҳуқуқий режими / 11.03.07.06 Ўрмон фонди ерлари]

6. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси бул Пәрман орынланыўы жуўмақларына бола 2024-жылы 1-августқа шекем аўыл хожалығына мөлшерленген суўғарылмайтуғын жерлер ҳәм тоғай қоры жерлериниң жер қоры категориясын елатлы пунктлериниң (қалалар, посёлкалар ҳәм аўыл елатлы пунктлериниң) жерлери категориясына өткериў бойынша усынысларды белгиленген тәртипте киритсин.

[ОКОЗ:

1.18.00.00.00 Прокуратура. Адвокатура. Нотариат. Юридик хизмат. Адлия органлари. ФҲДЁ органлари / 18.01.00.00 Прокуратура / 18.01.03.00 Прокурор назорати]

7. Бас прокуратура Пәрман орынланыўын шөлкемлестириўде нызамшылықты тәмийинлеў бойынша қатаң бақлаў орнатсын.

8. Бул Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Ф.У. Эрманов белгиленсин.

9. Бул Пәрманның орынланыўын бақлаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н. Арипов мойнына жүкленсин.

Әмелге асырылған жумыслар ҳаққында 2024-жылы 1-сентябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

 

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. МИРЗИЁЕВ

Ташкент қ.,

2023-жылы 28-июль,

ПП-119-сан