Қарақалпақстан Республикасында мийманхана хызметлерин раўажландырыў ҳәм қолайлы шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында» 2024-жыл 9-февральдағы ПҚ-66-санлы қарарына муўапық Министрлер Кабинети қарар етеди:
1.Төмендегилерди нәзерде тутатуғын Қарақалпақстан Республикасында үш жулдызлыға айланырылатуғын мийманханалар ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққынддағы реже қосымшаға муўапық тастыйықлансын:
Субсидия ажыратыў бойынша исбилерменге қойылатуғын талаплар, субсидия алыў ушын мүрәжат етиў тәртиби ҳәм усыныс етилетуғын ҳүжжетлер;
мүрәжатты көрип шығыў ҳәм қарар қабыллаў тәртиби, субсидия ажыратыўды бийкарлаў тийкарлары.
2. Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитети Санлы технологиялар министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте:
Усы қарар менен тастыйықланған Реже тийкарында мәмлекетлик хызмет Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы (кейинги орынларда- ЯИДХП) арқалы енгизилиўин тәмийинлесин;
ЯИДХПда мәмлекетлик хызметин көрсетиўдиң ҳәр бир басқышында мүрәжатларды көрип шығыўды бақлап барыў тәртибин енгизсин.
3. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитети уйымлар тәрепинен мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиң белгиленген тәртибине әмел етилиўи бойынша олардың жумысы бойынша, соның ишинде, ЯИДХП арқалы турақлы қадағалаў орнатсын.
4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаўҳәм климат өзгериўи министри А.А. Абдухакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Арипов
Ташкент қаласы.,
2024-жыл 16-май,
287-санлы