Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ
  • Бас бет
  • Ҳүжжетлер
  • 2024-2025-жыллары Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе тегислегиш агрегатлары менен жер тегислеў қәрежетлери ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы ўақытша режени тастыйықлаў ҳаққында

2024-2025-жыллары Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе тегислегиш агрегатлары менен жер тегислеў қәрежетлери ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы ўақытша режени тастыйықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Қарары

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында» 2024-жыл 9-февральдағы ПҚ-66-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын қолланыў көлемин кеңейтиў, суўғарылатуғын жерлердиң өнимдарлығын арттырыў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди және де қоллап-қуўатлаў мақсетинде Министрлер Кабинети қарар етеди:

1. Төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2024-2025-жыллары Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегислеў қәрежетлери ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы ўақытша реде қосымшаға муўапық тастыйықлансын:

Пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерге лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен жер тегислеў қәрежетлери ушын субсидия ажыратыў бойынша талап етилетуғын ҳүжжетлер, оларды көрип шығыў ҳәм субсидия ажыратыў ҳаққындағы қарарды қабыл етиў;

Пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерге лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен жер тегислеў қәрежетлери ушын субсидия ажыратыў.

Бунда бул субсидиялар:

Биринши басқышта – 2024-жылы Әмиўдәрья, Төрткүл ҳәм Беруний районларындағы жойбарларды, егер усы районлардағы жойбарларғва ажыратылған қаржылар үнемленсе, басқа районлардағы жойбарларды;

Кейинги басқышта – 2025-жылы Қарақалпақстан Республикасының баслық районларындағы жойбарларды әмелге асырыў ушын ажыратылады.

2. Белгиленсин:

Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине 2024-жылдың май айынан баслап лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегат менен тегисленген ҳәр бир гектар егин майданына жумсалған жанар май-майлаў материаллары қәрежетлериниң 100 процентин, бирақ 1 млн сумнан артық болмаған бөлимин қаплап ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен субсидиялар ажыратылады;

2024-жылы усы субсидиялар 2024-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы кәрханаларын лазерли қурылмаға ийе тегислегиш агрегатлар менен тәмийинлеў ушын субсидияларда нәзерде тутылган қаржылар шеңберинде ажыратылады.

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги Аўыл хожалығы министрлигиниң есап-санақларына тийкарланып 2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен жер тегислеў қәрежетлери ушын субсидияларға талап етилетуғын қаржылардың нәзерде тутылыўын тәмийнлесин.

3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ж.А. Қўчқоров ҳәм Ж.А. Ходжаевқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасының Бас министри А. АРИПОВ

Ташкент қ.,

2024-жыл 24-июнь,

348-санлы