СУЎ ҲӘМ СУЎДАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ СУЎ ҲӘМ СУЎДАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакция)
Бул редакция 14.10.2010-ж. 48/III-санлы ҚР Нызамы менен тастыйықланған Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы 27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамы 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамы 11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы ҚР Нызамы 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы 30.11.2021-ж. 180/XXIII -санлы ҚР НызамыI БАП. ТИЙКАРҒЫ РЕЖЕЛЕР
1-статья. Усы Нызамның мақсети ҳәм тийкарғы ўазыйпалары Усы Нызамның мақсети суўға болған қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. Усы Нызамның тийкарғы ўазыйпалары халықтың ҳәм халық хожалығы тараўлары мүтәжликлери ушын суўлардан рационал пайдаланыўды тәмийинлеў, суўлардың патасланып ҳәм кемейип кетиўинен сақлаў, суўлардың зыянлы тәсирлериниң алдын алыў ҳәмде оларды сапластырыў, суў объектлериниң аўҳалын жақсылаўдан, сондай-ақ суўға байланыслы қатнасықлар бағдарында кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, фермер, дийқан хожалықлары ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўдан ибарат. 2-статья. Суў ҳаққындағы нызамшылық Қарақалпақстан Республикасында суўға байланыслы қатнасықлар усы Нызам ҳәм тийисли суў ҳаққындағы басқа да нызам актлери менен ретлестириледи. 21-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: жер асты суўлары - жер бетинен төменде жайласқан жердиң таў жыныслары қатламларында жайласқан суўлар; жер үсти суўлары - жер бетинде жайласқан суўлар; мелиорация объектлери - коллектор-дренаж ҳәм жер үсти тасланды суўларын топлаў ҳәмде оларды суўғарылатуғын жерлерден сыртқа шығарып таслаўға көмеклесетуғын, коллекторларды ҳәм коллектор-дренаж тармағын, вертикал дренаж қудықларын, мелиорация насос станцияларын (агрегатларын) ҳәм бақлаў тармағын өз ишине алатуғын суў хожалығы объектлери; суўлар – суў объектлеринде топланған барлық суўлар бирлиги; суў тутыныўы – юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен өз мүтәжликлерин қанаатландырыў ушын суў ресурсларынан оларды суў объектинен белгиленген тәртипте алған ҳалда пайдаланыў; суў тутыныўшылары ассоциациясы – юридикалық шахс болған суў пайдаланыўшылары тәрепинен суўға байланыслы қатнасықлар бағдарындағы өз хызметлерин муўапықластырыў, сондай-ақ улыўма мәплерди билдириў ҳәм қорғаў ушын еркин түрде шөлкемлесетуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем; суў тутыныўшысы - өз мүтәжликлерин қанаатландырыў ушын суў объектинен суў ресурсларын белгиленген тәртипте алыўшы юридикалық яки физикалық шахс; суў объекти – суўлар турақлы рәўиште яки ўақытша топланатуғын ҳәм суў режиминиң өзине тән формалары ҳәм белгилери болған тәбийий (жылғалар, сайлар, дәрьялар ҳәм басқалар) ҳәмде жасалма (ашық яки жабық каналлар, сондай-ақ коллектор-дренаж тармақлары) суў ағымлары, тәбийий (көллер, теңизлер, жер асты суўлы қатламлары) ҳәм жасалма (суў сақлағышлар, сел суўлары топланатуғын орынлар, ҳәўизлер ҳәм басқалар) суў ҳәўизлери, сондай-ақ булақлар ҳәм басқа да объектлер; суў объектлерин қорғаў – суў объектлерин сақлаў ҳәм тиклеўге қаратылған илажлар системасы; суў режими – суў объектлери ҳәм топырақ-грунтта суў дәрежеси, тезлиги, муғдары ҳәм көлеминиң ўақыт бойынша өзгериўи; суў ресурслары – пайдаланылатуғын яки пайдаланылыўы тийис болған суў объектлери суўлары; суў хожалығы – экономиканың суў ресурсларын ҳәм суў объектлерин үйрениў, есапқа алыў, басқарыў, олардан пайдаланыў, оларды қорғаў, сондай-ақ суўлардың зыянлы тәсирине қарсы гүресиўди қамтып алыўшы тараўы; суў хожалығы объекти – суў ресурсларын топлаў, басқарыў, жеткерип бериў, олардан пайдаланыў, ажыратып бериў ҳәм қорғаў мақсетинде суў хожалығы хызмети әмелге асырылатуғын суў объекти; суўдан пайдаланыў – юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен суў ресурсларын суў объектинен алмаған ҳалда олардан өз мүтәжликлери ушын пайдаланыў; суўдан пайдаланыўшы – суў ресурсларын суў объектинен алмаған ҳалда олардан өз мүтәжликлери ушын пайдаланыўшы юридикалық яки физикалық шахс; суўлардың зыянлы тәсири – суў тасыўы, суў басыўы, шор басыўы ҳәм суўлардың басқа да тәсирлери нәтийжесинде айырым тәбийий-хожалық объектлери ҳәм аймақлардың жуўылыўы, бузылыўы, балшықланыўы, батпақланыўы, шорланыўы ҳәм басқа да кери қубылыслар; трансшегаралық суў объектлери – еки яки оннан да артық мәмлекетлер шегараларын кесип өтетуғын яки сондай шегараларда жайласқан суў объектлери; трансшегаралық суўлар – еки ҳәм оннан артық мәмлекетлер шегараларын кесип өтетуғын яки сондай шегараларда жайласқан ҳәр түрли жер үсти яки жер асты суўлары. 3-статья. Суўға мәмлекеттиң ийелик етиўи Суў Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик мүлки – улыўма миллий байлық саналады, суўдан рационал пайдаланылыўы тийис, ол мәмлекет тәрепинен қорғалады. 4-статья. Бирден-бир мәмлекетлик суў қоры Бирден-бир мәмлекетлик суў қоры: жылғалар, сайлар, суў сақлағышлар, көллер, теңизлер, дәрьялар, каналлар, коллектор-дренаж тармақлары, булақлар, ҳәўизлердиң суўлары ҳәм басқа жер үсти суўларынан; жер асты суўлары, қар аўысықлары ҳәм музлықлардан ибарат. Трансшегаралық суў объектлериниң (Әмиўдәрья, Сырдәрья, Зарафшан дәрьялары, Арал теңизи ҳәм басқа да трансшегаралық суў объектлериниң) суўларынан пайдаланыў ҳуқықы Өзбекстан Республикасының мәмлекетлер аралық шәртнамаларында белгиленеди.II БАП. МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ ҲӘМ БАСҚАРЫЎ УЙЫМЛАРЫНЫҢ СУЎҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ҚАТНАСЫҚЛАРДЫ РЕТЛЕСТИРИЎ БАҒДАРЫНДАҒЫ ЎӘКИЛЛИКЛЕРИ
5-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң суўға байланыслы қатнасықларды ретлестириў бағдарындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ўәкилликлерине суўға байланыслы қатнасықларды ретлестириўде төмендегилер киреди: суў ҳәм суўдан пайдаланыў ҳаққындағы нызамларды қабыл етиў, оларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў; суў ресурсларынан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаўға тийкарланған мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарларын белгилеў ҳәмде суў хожалығына тийисли стратегиялық мәмлекетлик бағдарламаларын қабыл етиў; Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелерди шешиў. 6-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң суўға байланыслы қатнасықларды ретлестириў бағдарындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң суўға байланыслы қатнасықларды ретлестириў бағдарындағы ўәкилликлерине төмендегилер киреди: суў ресурсларынан комплексли ҳәм рационал пайдаланыў, оларды басқарыў ҳәм қорғаў бағдарындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў; суў ресурсларынан комплексли ҳәм рационал пайдаланыў, оларды басқарыў ҳәм қорғаў, сондай-ақ суўлардың зыянлы тәсириниң алдын алыў ҳәмде оларды тәртипке салыў бағдарындағы министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, мәкемелер, басқа юридикалық шахслардың жумысларын муўапықластырыў; суў қоры пайда етиў ҳәм оннан пайдаланыў тәртибин, суўдан пайдаланыў, суўдан пайдаланыў өлшемлерин ҳәм суў объектинен суў алыў лимитлерин (буннан былай текстте суў алыў лимитлери деп жүргизиледи) тастыйықлаў тәртибин белгилеў; суўлардың мәмлекет тәрепинен есапқа алып барылыўын ҳәмде суўдан пайдаланыўшыны бақлап барыў ҳәм оларды қорғаўды тәмийинлеў, мәмлекетлик суў кадастрын ҳәм суў мониторингин жүргизиў; ири авариялар, бахытсыз ҳәдийселер, экологиялық кризислерди ҳәм суўлардың зыянлы тәсириниң алдын алыў ҳәмде оларды сапластырыў бойынша ис-илажлар ислеп шығыў; суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын ҳақы төлеў, суў объектлерин патаслағанлығы ҳәм қурғатып қойғанлығы ушын ҳақы өндириў тәртибин белгилеў; өз аймағындағы суў ресурсларынан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаўдың тийкарғы бағдарларын белгилеў; суў ресурсларынан пайдаланыўды ретлестириў ҳәм оларды қорғаў бағдарындағы нызамшылық ҳәм ҳуқық-тәртибин тәмийинлеў; суў объектлери жағдайын есапқа алыў ҳәм оларға баҳа бериў, суўлардан пайдаланыў ҳәм олардың қорғалыўы, белгиленген суў алыў лимитлериниң бақланыўын, суўдан пайдаланыўшылардың суўдан пайдаланыў есабының жүргизилиўи үстинен бақлаў; суў объектлерин сақлаў ҳәм олардың жағдайын жақсылаў, суўлардың зыянлы тәсир етиўиниң, сондай-ақ патасланыўының алдын алыў ҳәм оны шешиўде авариялар, суў тасқыны ҳәм тәбийий апатшылықлар нәтийжесинде зыянланған объектлерди тиклеў барысында илажлар өткериў; нызамшылықта нәзерде тутылған басқа да мәселелерди ретлестириў.III БАП. СУЎДАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲӘМ ОНЫ ҚОРҒАЎ БАҒДАРЫНДАҒЫ МӘМЛЕКЕТЛИК БАСҚАРЫЎ ҲӘМ БАҚЛАЎ
7-статья. Суўдан пайдаланыў бағдарындағы мәмлекетлик басқарыў Суўдан пайдаланыў бағдарындағы мәмлекетлик басқарыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, сондай-ақ суўдан пайдаланыўды тиккелей ямаса бассейн (аймақлық) басқармасы арқалы тәртипке салыўшы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен әмелге асырылады. Төменги Әмиўдәрья ирригация системалары бассейн басқармасы (жер үсти суўлары), Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң (жер асты суўлары) ҳәмде Өзбекстан Республикасы санаатта, кәншиликте ҳәм коммунал-турмыслық секторда жумыслардың қәўипсиз алып барылыўын бақлап барыў бойынша мәмлекетлик инспекциясының (жер асты ыссы суўлары ҳәм минерал суўлар) республикалық аймақлық кәрханалары өз ўәкилликлери шеңберинде суўдан пайдаланыўды тәртипке салыў бағдарындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымлары болып есапланады. 8-статья. Суўдан пайдаланыў ҳәм оны қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаў Суўдан пайдаланыў ҳәм оны қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўдың ўазыйпасы - суўдан пайдаланыў бағдарында белгиленген тәртипке барлық министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, ведомостволар, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, фермер ҳәм дийхан хожалықлары ҳәм пуқаралардың бойсыныўын, суўды қорғаў, суўдың зыянлы тәсириниң алдын алыў ҳәм сапластырыў ўазыйпаларын, суўды есапқа алыў қағыйдаларын, сондай-ақ суў ҳаққындағы нызамшылықта белгиленген басқа да қағыйдалардың орынланыўын тәмийинлеў. Суўдан пайдаланыў ҳәм оны қорғаў үстинен мәмлекетлик бақлаўды жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, Өзбекстан Республикасы санаатта, кәншиликте ҳәм коммунал-турмыслық секторда жумыслардың қәўипсиз алып барылыўын бақлаў мәмлекетлик инспекциясының республикалық аймақлық кәрханасы, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Төменги Әмиўдәрья ирригациялық системалары бассейн басқармасы нызамшылықта белгиленген тәртипте әмелге асырады. Суўдан пайдаланыў үстинен ведомстволық бақлаўды Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң тийисли республикалық аймақлық уйымлары әмелге асырады. 9-статья. Суўлардан ҳәм суў объектлеринен рационал пайдаланыў, оларды қорғаў бойынша илажларды әмелге асырыўда суў тутыныўшылары ассоциациялары, басқа да мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, сондай-ақ пуқаралардың қатнасы Суў тутыныўшылары ассоциациясы, басқа да мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер өз уставларына муўапық ҳәмде пуқаралар суўлардан ҳәм суў объектлеринен дурыслы пайдаланыў, оларды қорғаў бойынша илажларды әмелге асырыўда мәмлекетлик уйымларға көмеклеседи. Мәмлекетлик уйымлар бул илажларды өткериўде суў тутыныўшылары бирлеспелери, басқа да мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, сондай-ақ пуқаралардың усынысларын есапқа алыўы мүмкин.IV БАП. СУЎЛАРДЫН ҲӘМ СУЎ ОБЪЕКТЛЕРИНИҢ ЖАҒДАЙЫНА ТӘСИР ЕТИЎШИ КӘРХАНАЛАР, ҚУРЫЛЫСЛАРДЫ ҲӘМДЕ БАСҚА ДА ОБЪЕКТЛЕРДИ ЖАЙЛАСТЫРЫЎ, ЖОЙБАРЛАЎ, ҚУРЫЎ, РЕКОНСТРУКЦИЯЛАЎ, ОҢЛАЎ, ТИКЛЕЎ ҲӘМ ИСКЕ ТYСИРИЎ
10-статья. Суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир етиўши кәрханалар, қурылмалар ҳәм басқа да объектлерди жайластырыў, жойбарлаў, қурыў, реконструкциялаў, қайта қурыў, тиклеў ҳәм иске түсириў шәртлери Суўлардың ҳәм суў обьектлериниң жағдайына тәсир етиўши кәрханалар, қурылмалар ҳәм басқа да объектлерди жайластырыў жойбарлаў, қурыў, реконструкциялаў, қайта қурыў ҳәм иске түсириў жаңа технологиялық процесслерди енгизиўде халықтың денсаўлығын сақлаў ҳәм ишимлик суўына болған талапларды ҳәм жеке талапларды биринши нәўбетте қанаатландырыў, cуўдан рационал пайдаланыў, сондай-ақ коллектор-дренаж суўларын ҳәм ағынды суўларды шығарып таслаўдың қолайлы режими тәмийинлениўи шәрт. Бунда суў объектлеринен алынатуғын ҳәм усы объектлерге қайтарылатуғын суўды есапқа алыўды, суўлардың бүлиниўи, патасланыўы ҳәм кемейип кетиўинен сақлаўды, суўлардың зыянлы тәсирлериниң алдын алыўды, жерлердиң суў басыўын минимал зәрүр дәрежеге шекем шеклеў, жерлерди шорланыўдан, изей басыўдан ямаса қурғап қалыўдан қорғаў, сондай-ақ қолайлы тәбийий шараятлар ҳәм ландшафтларды сақлап қалыўды тәмийинлеўши илажлар нәзерде тутылады. Суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир етиўши кәрханалар, қурылмаларды ҳәм басқа да объектлерди қурыў, реконструкциялаў жойбарлары суў объектлеринен дем алыў ҳәм спорт ушын пайдаланыў имканиятлары есапқа алынған ҳалда дүзилиўи шәрт. 11-статья. Балықшылық хожалығы суў ҳәўизлеринде кәрханалар, қурылмалар ҳәм басқа да объектлерди жайластырыў, жойбарлаў, қурыў, реконструкциялаў ҳәм иске түсириў шәртлери Балықшылық хожалығы суў ҳәўизлеринде жаңа ҳәм реконструкцияланған кәрханалар ҳәм басқа да объектлерди жайластырыў, жойбарлаў, қурыў, реконструкциялаў ҳәм иске түсириўде усы Нызамның 14-статьясының талапларын сақлаў менен бир қатарда, балық резервлерине жеткерилетуғын зыянлардың орнын қаплаў, басқа да суў ҳайўанлары ҳәм өсимликлерин қорғаў ҳәм оларды сақлаў, қайта тиклеў ҳәм көбейтиўди тәмийинлейтуғын илажларды өз ўақтында әмелге асырыў шәрт. 12-статья. Суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир етиўши кәрханалар, қурылмалар ҳәм басқа да объектлер қурылатуғын, реконструкцияланатуғын оңланатуғын ҳәм тикленетуғын орынларын белгилеў Суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир етиўши кәрханалар, қурылмалар ҳәм басқа да объектлер қурылатуғын, реконструкцияланатуғын оңланатуғын ҳәм тикленетуғын орынларын белгилеў усы суў объектлеринен пайдаланыўшы шөлкемлер, сондай-ақ басқа мәпдар шөлкемлер менен нызамшылыққа муўапық келисип алынады. 13-статья. Суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир етиўши кәрханалар, қурылмалар ҳәм басқа да объектлерди қурыў, реконструкциялаў, оңлаў ҳәм тиклеў жойбарларының келисип алыныўы ҳәм мәмлекетлик экспертизасы Суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир етиўши кәрханалар, қурылмалар ҳәм басқа да объектлерди қурыў, реконструкциялаў, оңлаў ҳәм тиклеў жойбарлары экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, геология ҳәм минерал ресурслар уйымлары ҳәм басқа да уйымлар менен келисип алыныўы тийис, сондай-ақ нызамшылыққа муўапық мәмлекетлик экспертизадан өткериледи. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Мелиорация объектлерин оңлаў ҳәм тиклеў жойбарлары нызамшылықта белгиленген тәртипте мәмлекетлик экспертизадан өткериледи. Өндирис шараятларына қарай айланба суў тәмийнатына ҳәм шығындысыз технологияға өткерилиўи мүмкин болмаған санаат кәрханаларын суў менен тоқтаўсыз тәмийинлеў системаларын жойбарлаў, қурыў ҳәм реконструкциялаўға жол қойылмайды. 14-статья. Суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир етиўши кәрханалар, қурылмалар ҳәм басқа да объектлерди иске түсириўди қадаған етиў Төмендегилерди: суўлардың патасланыўы ҳәм ыласланыўының алдын алыўшы қурылмалар менен тәмийинленбеген, сондай-ақ суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына унамсыз тәсир етиўши жаңа ҳәм реконструкция исленген объектлер, цехлар, агрегатларды, коммунал ҳәм басқа объектлерди; жерлердиң суў басыўы, изейлесиўи, батпақланыўы, шорланыўының ҳәмде топырақ эрозиясының алдын алыўдың жойбарларында нәзерде тутылған илажлары әмелге асырылмағанша суўғарыў ҳәм суў менен тәмийнлеў системаларын, суў сақлағышлары ҳәм каналларын; тастыйықланған жойбарларға муўапық суў қабыл ететуғын ҳәм басқа да қурылмаларды қурып питкермей турып, изей қашырыў тармақларын; тастыйықланған жойбарларға муўапық балықларды сақлап қалыў қурылмалары болмаған суў алыў қурылмаларын; тастыйықланған жойбарларға муўапық тасқын суўларды ҳәм балықларды өткерип жиберетуғын қурылмалары таяр болмаған гидротехника қурылмаларын; жер асты суў запаслары тастыйықланбаған суў алыў қурылмалар топарын; суўды ретлестириўши қолланбалар менен тәмийнлемей турып ҳәм тийисли жағдайларда санитариялық қорғаў зоналарын белгилемей турып, суў шығарыў ушын бурғыланған қудықларын иске түсириў қадаған етиледи. Суў сақлағышларды олардың жағаларын жойбарларда көрсетилгендей таяр етип қойыў илажлары әмелге асырылмағанша суў менен толтырыў қадаған етиледи. 15-статья. Суў объектлеринен өтетуғын көпирлер, өтиў жолларын ҳәм басқа да транспорт коммуникацияларын қурыў, реконструкциялаў, оңлаў ҳәм тиклеў жойбарларын келисип алыў Суў объектлеринен өтетуғын көпирлер, өтиў жолларын ҳәм басқа да транспорт коммуникацияларын қурыў, реконструкциялаў жойбарлары аўыл ҳәм суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайын ҳәмде қәўипсиз ислеўин қадағалаў уйымлары ҳәм зәрүр жағдайларда, энергетика, архитектура ҳәм қурылыс уйымлары, Өзбекстан автомобиль ҳәм дәрья транспорты агентлиги (кемелер қатнаўын белгилеў бойынша) менен келисип алыныўы ҳәм де тасқын суўларды өткерип жибериўди, суў объектлеринен пайдаланыў режимин, суўлардың патасланыўы, ипласланыўы ҳәм кемейип кетиўине жол қоймаўды, олардың зыянлы тәсириниң алдын алыўды тәмийнлеўши илажлар өткерилиўи нәзерде тутылыўы шәрт. Суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир етиўши суў объектлеринен өтетуғын көпирлер, өтиў жолларын ҳәм басқа транспорт коммуникацияларын ремонтлаў ҳәм тиклеў жойбарлары аўыл ҳәм суў хожалығы уйымлары менен келисип алыныўы ҳәмде тасқын суўларды өткерип жибериўди, суў объектлеринен пайдаланыў режимин, суўлардың патасланыўы ҳәм ипласланыўының алдын алыўды тәмийинлеўши илажлар өткерилиўин нәзерде тутыўы тийис.V БАП. СУЎ ОБЪЕКТЛЕРИНДЕ, СУЎ ОБЪЕКТЛЕРИНИҢ СУЎДЫ ҚОРҒАЎ ЗОНАЛАРЫ, ЖАҒА БОЙЫ АЙМАҚЛАРЫНДА ҲӘМ САНИТАРИЯЛЫҚ ҚОРҒАЎ ЗОНАЛАРЫНДА ЖУМЫСЛАРДЫ ОРЫНЛАЎ
16-статья. Суў объектлеринде, суў объектлериниң суўды қорғаў зоналары, жаға бойы аймақларында ҳәм санитариялық қорғаў зоналарында жумысларды орынлаў тәртиби Суў объектлеринде, суў объектлериниң суўды қорғаў зоналары, жаға бойы аймақларында ҳәм санитариялық қорғаў зоналарында, жер асты суўлары пайда болатуғын аймақларда суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир етиўши курылыс, ремонтлаў, тиклеў, көл түбин тереңлестириў ҳәм жарыў жумыслары, пайдалы қазылмаларды қазып алыў ҳәм суў өсимликлерин алыў, кабельлер, трубалар ҳәм басқа да коммуникацияларды өткериў, тереклерди кесиў, бурғылаў, аўыл хожалығы жумыслары ҳәм басқа жумыслар нызамшылыққа муўапық орынланады. (ҚР ЖК 27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир етиўши жумыслар усы Нызам талапларына муўапық рәўиште, илимий тийкарланған норма ҳам қағыйдалар тийкарында аўыл ҳәм суў хожалығы, энергетика, балықшылық хожалығы, тоғай хожалығы, турмыс ҳәм коммунал хожалығы мәплери есапқа алынған ҳалда өткериледи.VI БАП. СУЎДАН ПАЙДАЛАНЫЎШЫЛАР, СУЎ ТУТЫНЫЎШЫЛАРЫ ҲӘМ ОЛАР ПАЙДАЛАНАТУҒЫН ОБЪЕКТЛЕР
17-статья. Суўдан пайдаланыўшылар Суў хожалығының пайдаланыўшы шөлкемлери, суў тутыныўшылары ассоциациялары, коммунал-турмыс тараўы гидроэнергетика кәрханалары, басқа да кәрханалар, шөлкемлер, мәкемелер, Өзбекстан Республикасы пуқаралары, басқа мәмлекетлердиң пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар суўдан пайдаланыўшылар болыўы мүмкин. 17 1-статья. Суў тутыныўшылары Кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, фермер ҳәм дийхан хожалықлары, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы пуқаралары, басқа мәмлекетлердиң пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар суў тутыныўшылары болыўы мүмкин. 17 2-статья. Суў тутыныўшылары ассоциациясы Суў тутыныўшылары бирлеспелери тийкарынан гидрография принципине яки суў ресурсларын рационал басқарыў ҳәм олардан пайдаланыўды тәмийинлейтуғын басқа да шәртлерге муўапық дүзиледи. Суў тутыныўшылары ассоциациялары шөлкемлестириўшилери фермер хожалықлары, юридикалық шахс шөлкемлестирген дийқан хожалықлары, сондай-ақ юридикалық шахс болған басқа суў тутыныўшылары болыўы мүмкин. Фермер ҳәм дийқан хожалықлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, сондай-ақ басқа суў тутыныўшылары суў тутыныўшылары ассоциацияларының ағзалары болыўы мүмкин. Суў тутыныўшылары ассоциациялары ҳәм оның хызмет көрсетиў зонасында жайласқан ағзалары, сондай-ақ басқа аўыл ҳәм суў хожалығы уйымлары ҳәм басқа юридикалық ҳәм физикалық шахслар ортасындағы суўға байланыслы қатнасықлар шәртнама тийкарында ретлестириледи. 18-статья. Суўдан пайдаланыў объектлери Суў объектлери яки олардың бөлеклери суўдан пайдаланыў объектлери болыўы ҳәм нызамшылықта белгиленген тәртипте пайдаланыўға берилиўи мүмкин. 18 1-статья. Суў тутыныўы дереклери Суў объектлери яки олардың бөлеклери суў тутыныўы дереклери болыўы ҳәм нызамшылықта белгиленген тәртипте суў тутыныўы ушын берилиўи мүмкин. 19-статья. Суў объектлеринен пайдаланыўды бир бөлегинде яки толық қадаған етиў Мәмлекетлик айрықша әҳмийетке ийе ямаса айрықша илимий яки мәдений баҳаға ийе болған суў объектлеринен пайдаланыў нызамшылықта белгиленген тәртипте бир бөлегинде толық қадаған етилиўи мүмкин.VII БАП. СУЎДАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲӘМ СУЎ ТУТЫНЫЎЫ ТYРЛЕРИ
20-статья. Суўдан пайдаланыў түрлери Суў объектинен суў алыў усылына, суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир етилиўине қарай, суўдан пайдаланыў улыўма яки арнаўлы пайдаланыўға бөлинеди. Физикалық шахслар тәрепинен суўларды ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир етиўши арнаўлы қурылмалар ҳәм қолланбаларды пайдаланбаған ҳалда өз зәрүрликлерин ҳәмде басқа зәрүрликлерди қанаатландырыў мақсетинде суўдан пайдаланыў суўдан улыўма пайдаланыў болып табылады. Юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир етиўши арнаўлы қурылмалар ҳәм қолланбаларды пайдаланған ҳалда әмелге асырылатуғын суўдан пайдаланыў суўдан арнаўлы пайдаланыў болып табылады. Суўдан арнаўлы пайдаланыўға айырым жағдайларда арнаўлы қурылмалар ҳәм қолланбаларды пайдаланған ҳалда, бирақ суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир ететуғын суўдан пайдаланыў да киргизилиўи мүмкин. Суўдан улыўма ҳәм арнаўлы пайдаланыў түрлери дизими Төменги Әмиўдәрья ирригациялар системалары бассейн басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, Өзбекстан Республикасы Геология ҳәм минерал ресурслар мәмлекетлик комитетиниң, Өзбекстан Республикасы Санаатта, кәншиликте ҳәм коммунал-хызмет секторында жумыслардың қәўипсиз алып барылыўын кадағалаў мәмлекетлик инспекциясының республикалық аймақлық уйымлары тәрепинен нызамшылыққа муўапық белгиленеди. Суў объектлери жеке яки биргеликте пайдаланыўда болыўы мүмкин. Нызамшылықта белгиленген тәртипте юридикалық ҳәм физикалық шахсларға толық яки бир бөлегинде пайдаланыўға берилген суў объекти жеке пайдаланатуғын суў объекти болып табылады. Жеке пайдаланыўға берилмеген суў объекти биргеликте пайдаланатуғын суў объекти болып табылады. Суў объектлери нызамшылықта белгиленген тәртипте аўыл ҳәм суў хожалығы, санитариялық бақлаў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, геология ҳәм минерал ресурслар уйымлары менен келсилген ҳалда пайдаланыўға бериледи. Суў объектлери суўдан пайдаланыўшыларға суў тутыныўшыларының аўыл хожалығы, ишимлик, емлеў ҳәм турмыс зәрүрликлерин, халықтың курорт, рекреация ҳәм басқа да зәрүрликлерин, санаат, энергетика, транспорт, балықшылық хожалығы ҳәм басқа да мәмлекетлик яки жәмийетлик зәрүрликлерин қанаатландырыў нызамшылықта нәзерде тутылған талаплар ҳәм шәртлерге бойсынылған ҳалда пайдаланыўға бериледи. Шығынды суўларды ағызыў ушын суў объектлеринен пайдаланыўға нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм арнаўлы талаплар ҳәм шәртлерге бойсынған ҳалда ғана жол қойылыўы мүмкин. Суў объектлери бир яки бир ўақытта бир неше мақсетте пайдаланыўға берилиўи мүмкин. 20 1-статья. Суў тутыныўы түрлери Мақсетли пайдаланыўға қарай суў тутыныўы ишимлик, коммунал-хызмет, емлеў, курорт, рекреация, балықшылық хожалығы, санаат, энергетика, аўыл хожалығы суў пайдаланыўына ҳәм басқа түрлерге бөлинеди. Суў объектинен алынатуғын суўдың муғдарына қарай, суў тутыныўы улыўма ҳәм арнаўлы суў тутыныўына бөлинеди. Физикалық шахслар тәрепинен суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир етиўши қурылмалар ҳәм қолланбаларды пайдаланатуғын ҳалда өз жеке ишимлик, турмыс хызмети, рекреация, емлеў зәрүрликлери, ҳайўанларға суў бериў ҳәм басқа зәрүрликлерди қанаатландырыў мақсетиндеги суў тутыныўы улыўма суў тутыныўы болып табылады. Юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир етиўши арнаўлы қурылмалар ҳам қолланбаларды пайдаланатуғын ҳалда әмелге асырылатуғын суў тутыныўы арнаўлы суў тутыныўы болып есапланады. Арнаўлы суў тутыныўына айырым жағдайларда арнаўлы қурылмалар ҳәм қолланбаларды пайдаланатуғын ҳалда, бирақ суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир ететуғын суў тутыныўы да киргизилиўи мүмкин. Суў ресурслары нызамшылықта нәзерде тутылған талаплар ҳәм шәртлерге бойсынылған жағдайда тутыныў ушын бериледи. 21-статья. Суўдан улыўма ҳәм арнаўлы пайдаланыў Суўдан пайдаланыў еки түрде болады: суўдан улыўма пайдаланыў - суўдың жағдайына тәсир ететуғын қурылмалар яки техникалық қолланбаларды қолланбай пайдаланыў; суўдан арнаўлы - пайдаланыў қурылмаларды яки қолланбаларды қолланыў жолы менен пайдаланыў. Қурылмалар яки техникалық қолланбаларды қолланбай турып, бирақ суўдың жағдайына тәсир ететуғын тәризде суў объектлеринен пайдаланыў ҳәм айырым жағдайларда суўдан арнаўлы пайдаланыў түрине киргизилиўи мумкин. Суўдан улыўма ҳәм арнаўлы пайдаланыў түрлериниң дизими аўыл ҳәм суў хожалығы, тәбиятты қорғаў, санитариялық бақлаўы, геология ҳәм минерал ресурслары уйымлары тәрепинен белгилеп қойылады. 22-статья. Суўдан биргеликте ҳәм жеке пайдаланыў Суў объектлеринен биргеликте яки жеке пайдаланыў мумкин. Биргеликте пайдаланатуғын суў объектлери қурамына жеке пайдаланыў ушын берилмеген суў объектлери киргизилиўи мүмкин. Жеке пайдаланатуғын суў объектлерине жергиликли ҳәкимият уйымлары шешими тийкарында бир кәрхана, шөлкем яки мәкемеге толық яки бир бөлегинде берилген суў объектлери киреди. 23-статья. Суўдан биринши дәрежели ҳам екинши дәрежели пайдаланыў Жеке пайдаланыў ушын суў объектлери берип қойылған кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер - суўдан биринши дәрежели пайдаланыўшылар есапланып, олар аўыл ҳәм суў хожалығы ҳәм тәбиятты қорғаў уйымлары менен келисилген ҳалда басқа кәрханалар, шөлкемлер, мәкемелер ҳам пуқараларға суўдан екинши дәрежели пайдаланыў ушын рухсат бериўге ҳуқықлы. Суўдан екинши дәрежели пайдаланыў ушын берилген рухсатнамада суў объектин бериў мақсети ҳәм оннан пайдаланыўдың тийкарғы шәртлери көрсетиледи. Зәрүр жағдайларда суўдан екинши дәрежели пайдаланыў шәртлери, тәреплердиң өз-ара ҳуқық ҳәм миннетлери суўдан биринши дәрежели ҳәм екинши дәрежели пайдаланыўшылар арасындағы шәртнама менен рәсмийлестириледи. Суўдан биринши дәрежели пайдаланыўшы суўдан екинши дәрежели пайдаланыўшының пүткил суў хожалығы жумысы ушын жуўапкер болады. Суўдан екинши дәрежели пайдаланыўшы, егер суўдың тийисли үлесин суўдан биринши дәрежели пайдаланыўшы өзлестирип алған яки оннан пайдаланған жағдайда, оған даўа қозғаўға ҳәм жеткерилген зыянның қапланыўын талап етиўге ҳуқықлы.VIII БАП. СУЎ ОБЪЕКТЛЕРИН ПАЙДАЛАНЫЎҒА БЕРИЎ ТӘРТИБИ ҲӘМ ШӘРТЛЕРИ
24-статья. Суў объектлериниң артықмашылықлы тәризде халық мүтәжликлери ушын берилиўи Суў объектлери артықмашылықлы тәризде халықтың ишимлик ҳәм турмыс мүтәжликлерин қанаатландырыў ушын пайдаланыўға бериледи. 25-статья. Суў объектлерин жеке пайдаланыўға бериў тәртиби Суў объектлери жеке пайдаланыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси яки тийисли ўәкилликке ийе мәмлекетлик уйымы тәрепинен нызамшылықта белгиленген тәртипте толық яки бир бөлегинде бериледи. Суў объектлери жеке пайдаланыў ушын суўдан арнаўлы пайдаланыў яки суўды арнаўлы тутыныў рухсатнамасы рәсмийлестирилген жағдайда бериледи. 26-статья. Суўдан арнаўлы пайдаланыў яки суўды арнаўлы тутыныў ушын рухсатнама бериў тәртиби Суўдан арнаўлы пайдаланыў яки суўды арнаўлы тутыныў рухсатнама тийкарында әмелге асырылады. Тәбийий суў объектлериниң суўынан арнаўлы пайдаланыў яки олардың суўын арнаўлы тутыныў ушын рухсатнама жер үсти суўлары бойынша - аўыл ҳәм суў хожалығы уйымлары, жер асты суўлары бойынша – геология ҳәм минерал ресурслар уйымлары, минерал ҳәм термал суўлар бойынша – жер қатламларын геологик үйрениў, санаатта, кәншиликте ҳәм коммунал-турмыс секторында жумыслардың қәўипсиз алып барылыўын қадағалаў уйымлары менен келисилген ҳалда экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары тәрепинен бериледи. (ҚР ЖК 27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жасалма суў объектлериниң суўынан арнаўлы пайдаланыў яки олардың суўын арнаўлы тутыныў ушын рухсатнама: ирригация системалары бассейн басқармаларына, магистрал каналлар (системалар) басқармаларына, суў сақлағышлардан пайдаланыў басқармаларына, трансшегаралық суў объектлеринен, ўәлаятлар аралық әҳмийетке ийе суў объектлеринен, ири ҳәм айрықша әҳмийетке ийе суў хожалығы объектлеринен пайдаланыўшы шөлкемлерге, насос станциялары, энергетика ҳәм байланыс басқармаларына, мелиорация экспедицияларына, сондай-ақ басқа суўдан пайдаланыўшыларға ҳәм суў тутыныўшыларына - республика яки ўәлаятлар аралық әҳмийетке ийе суў объектлеринен Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги тәрепинен ирригация системалары басқармаларына, сондай-ақ басқа суўдан пайдаланыўшыларға ҳәм суў тутыныўшыларына – район әҳмийетине ийе суў объектлеринен ирригация системалары басқармалары тәрепинен; суў тутыныўшылары ассоциацияларына, сондай-ақ басқа суўдан пайдаланыўшыларға ҳәм суў тутыныўшыларына – район әҳмийетине ийе суў объектлеринен ирригация системалары басқармалары тәрепинен; өзлери хызмет көрсететуғын зонада жайласқан фермер ҳәм дийқан хожалықларына, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына ҳәм басқа да суў тутыныўшыларына - аўыл хожалығы зәрүрликлери ушын суў объектлеринен район аўыл ҳәм суў хожалығы бөлими менен келисилген ҳалда суў тутыныўшылары бирлеспелери тәрепинен бериледи. Суўдан арнаўлы пайдаланыў яки суўды арнаўлы тутыныў ушын рухсатнама бериў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. 27-статья. Суўдан улыўма пайдаланыўды әмелге асырыў Суўдан улыўма пайдаланыў усы Нызам ҳәм басқа да нызам актлеринде белгиленетуғын тәртипте рухсатсыз ҳәм шеклеўлерсиз әмелге асырылады. 28-статья. Жеке пайдаланыў ушын берилген суў объектлеринде суўдан улыўма пайдаланыў ҳәм улыўма тутыныў Жеке пайдаланыў ушын берилген суў объектлеринде суўдан улыўма пайдаланыўға ҳәм улыўма суў тутыныўына усы суў объектлеринен пайдаланыўшы шөлкемлер тәрепинен аўыл ҳәм суў хожалығы, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары менен келисилген жағдайда, белгиленген шәртлерге тийкарланып жол қойылады, зәрүр жағдайларда болса, бундай суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы нызам актлерине муўапық қадаған етип қойылыўы мүмкин. 29-статья. Суў алыў лимитлери Суў алыў лимитлери барлық суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшыларына белгиленеди. Суў алыў лимитлери (усы статьяның үшинши ҳәм төртинши бөлимлеринде нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди) аўыл ҳәм суў хожалығы уйымлары тәрепинен суў дереклери, бассейн ирригация системалары, магистрал каналлар (системалар), ирригация системалары, эконономика тараўлары, аймақлар, суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшылары бойынша белгиленеди, жер асты суўлары бойынша болса геология ҳам минерал ресурслар ҳәм санаатта, кәншиликте ҳәм коммунал-турмыс хызмети секторында жумыслардың қәўипсиз алып барылыўын қадағалаў уйымлары менен келисилген ҳалда белгиленеди. Фермер ҳәм дийхан хожалықлары ҳәм басқа да суў пайдаланыўшылары ушын суў алыў лимитлери оларға хызмет көрсетиўши суў тутыныўшылары ассоциациясы тәрепинен белгиленеди. Коммунал ҳәм турмыс хызметин көрсетиў хожалықларының суў алыў лимитлери тийисли пайдаланыўшы шөлкемлер тәрепинен белгиленеди. Суў алыў лимитлери суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшылары ушын дереклердиң болжаў етилген ҳәм ҳақыйқый суўлылығы есапқа алынған ҳалда аўыл хожалығы талаплары ушын бир жылда еки мәрте ҳәм де басқа талаплар ушын бир жылда бир мәрте белгиленеди ҳәм олар ушын мәжбүрий болып табылады. Суўдан пайдаланыўшылардың суўды жеткерип бериў бойынша хызметлери, сондай-ақ көрсетилген басқа суў хожалығы хызметлери ушын шәртнама тийкарында ҳақы төленеди. 30-статья. Суў объектлеринен пайдаланыў мүддетлери Суў объектлери турақлы ямаса ўақытша пайдаланыў ушын бериледи. Мүддети алдыннан белгиленбеген ҳалда пайдаланыў - турақлы пайдаланыў болып есапланады. Суўдан ўақытша пайдаланыў мүддети: қысқа - үш жылға шекем ҳәм узақ - жигирма жылға шекем болыўы мүмкин. Суў объектлеринен ўақытша пайдаланыў мүддетлери суўдан пайдаланыўшы мәпдар тәреплер усынысы бойынша, усы суў объектлерин жеке пайдаланыў ушын бериў ҳаққында шешим шығарған ямаса оннан арнаўлы пайдаланыў ушын рухсатнама берген мәмлекетлик уйымлар тәрепинен узайтылыўы мүмкин.IX БАП. СУЎДАН ПАЙДАЛАНЫЎШЫЛАРДЫҢ ҲӘМ СУЎ ТУТЫНЫЎШЫЛАРЫНЫҢ ҲУҚЫҚ ҲӘМ МИННЕТЛЕРИ
31-статья. Суўдан пайдаланыўшылардың ҳуқықлары Суўдан пайдаланыўшылар: суў объектлери қандай мақсетлер ушын пайдаланыўға берилген болса, тек усы мақсетлерде пайдаланыў; суўдан пайдаланыўды әмелге асырыў ушын нызамшылықта белгиленген тәртипте қурылмалар ҳәм басқа да объектлерди қурыў ҳәм реконструкция етиў; берилип атырған суўдың муғдары ҳәм сапасын тексериў; нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларды бийкар еткенде, суўдан пайдаланыў туўралы шәртнама бойынша алынбай қалған суў ушын компенсация талап етиў; суў ресурсларын басқарыўға тийисли шешимлер қабыл етилиўинде қатнасыў; деректиң болжанған ҳәм ҳақыйқый суўлылығынан келип шыққан ҳалда суў алыў лимитлерин өзгертиў бойынша усыныслар киргизиў; өз ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң бузылыўы, соның ишинде белгиленген суў алыў лимитлери ҳәм суў бериў режимине муўапық суў алыў хуқықының бузылыўы себепли жеткизилген зыянның орны нызамшылықта белгиленген тәртипте қапланыўын талап етиў ҳуқықына ийе. Суўдан пайдаланыўшылар нызамшылыққа муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин. 31 1-статья. Суў тутыныўшыларының ҳуқықлары Суў тутыныўшылары: берилип атырған суўдың муғдары менен сапасын тексериў; нызамшылық нәзерде тутылған жағдайлардан басқа, суў тутыныўы туўралы шәртнама бойынша алынбай қалған суў ушын компенсация талап етиў; суў ресурсларын басқарыўға тийисли шешимлер қабыл етилиўинде қатнасыў; өз талапларынан келип шыққан ҳалда суў алыў лимитлерин өзгертиў бойынша усыныслар киргизиў; суўға байланыслы қатнасықлар тараўындағы өз жумысын муўапықластырыў, сондай-ақ улыўма мәплерин билдириў ҳәм қорғаў ушын ассоциацияларға (аўқамларға) ҳәм басқа да бирлеспелерге бирлесиў; өз ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң бузылыўы, соның ишинде белгиленген суў алыў лимитлери ҳәм суў бериў режимине муўапық суў алыў хуқықының бузылыўы себепли жеткизилген зыянның орны нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қапланыўын талап етиў ҳуқықына ийе. Суў тутыныўшылары нызамшылыққа муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. 32-статья. Суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаў Суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшыларының ҳуқықлары Нызам менен қорғалады. Суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшыларының бузылған ҳуқықлары нызамшылықта нәзерде тутылған тәртипте тиклениўи тийис. 33-статья. Суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшыларының ҳуқықларын шеклеў Нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларда халық саламатлығын сақлаў мақсетин, мәмлекеттиң басқа мәплерин, сондай-ақ басқа суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшыларының мәплерин гөзлеп, суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшыларының ҳуқықлары шеклениўи мүмкин. Бунда халықтың ишимлик ҳәм турмыс талаплары ушын суў объектлеринен пайдаланыў шәраятлары төменлемеўи керек. 34-статья. Суўдан пайдаланыўшылардың миннетлери Суўдан пайдаланыўшылар: суў объектлеринен рационал пайдаланыўы, суўдан үнемли пайдаланыў, суўлардың сапасын тиклеў ҳәм жақсылаў бойынша ғамхорлық қылыўы; белгиленген суў алыў лимитлерине ҳәм суўдан пайдаланыў қағыйдаларына бойсыныўы; суўдан арнаўлы пайдаланыўда нызамшылықта белгиленген тәртипте рухсатнаманы рәсмийлестириўи; патаслаўшы затларға ийе болған жыйынды суўларды суў объектлерине ағызыўды кескин тоқтатыў илажларын көриў; басқа суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшыларының ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң бузылыўына, сондай-ақ суў объектлерине, хожалық объектлери ҳәм тәбийғый ресурсларға (жерлер, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы, пайдалы қазылмалар ҳәм басқаларға) зыян келтириўге жол қоймаўы; (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) суў объектлерин, суўды қорғаў ҳәм басқа да қурылмаларды, техникалық қурылмаларды техникалық жақтан саз жағдайда сақлаўы, оларды ислетиў сапасын жақсылаў ҳәм де олардан пайдаланыўдың белгиленген қағыйдаларына бойсыныўы; суўды алыў ҳәм бериўде суў муғдары есабын жүризиў, сондай-ақ нызамшылықта белгиленген тәртипте есабат усыныўы; суў ресурсларынан пайдаланғаны, сондай-ақ суўды жеткерип бериў бойынша хызметлер ҳәм көрсетилген басқа да суў хожалығы хызметлери ушын төлемлерди өз ўақтында шәртнама тийкарында төлеўи; суўды үнемлеў илажларын көриўи; суў ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыўда суў тутыныўшыларына көмеклесиўи; суўлардың патасланыўы ҳәм кемейип кетиўиниң алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў, суў объектлерине суўлардың зыянлы тәсирин сапластырыў илажларын көриў сондай-ақ жер үсти ҳәм жер асты суўлары топланатуғын майданлардың ипласланыўына жол қоймаўы; суў объектлериниң суўды қорғаў зоналары, жаға бойы аймақлары санитариялық қорғаў зоналарын сақлаўдың белгиленген режимине бойсыныўы; суўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўшы уйымлардың ўәкиллерин өз суў хожалығы объектлерине белгиленген тәртипте киритиўи ҳәм де оларға зәрүр мәлимлемени усыныўы; суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир ететуғын авариялар ҳәм басқа да тәбийий ҳәм техноген түрдеги айрықша жағдайлар жүзеге келгенлиги ҳаққындағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын өз ўақтында хабардар етиўи ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырыў бойынша жумысларды әмелге асырыўда, сондай-ақ суў объектлеринде реконструкция жумысларында нызамшылықта белгиленген тәртипте қатнасыўы; балықларды, басқа суў флорасы ҳәм фаунасын қорғаў илажларын әмелге асырыўы тийис. Суўдан пайдаланыўшылар жуўапкершилигинде нызамшылыққа муўапық басқа ўазыйпалар да болыўы мүмкин. 34 1-статья. Суў тутыныўшыларының миннетлери Суў тутыныўшылары: суў ресурсларынан рационал пайдаланыўы, суўдың мақсетсиз пайдаланылыўына жол қоймаў, суўды үнемли пайдаланыў, суўлардың сапасын тиклеў ҳәм жақсылаў бойынша ғамхорлық қылыўы; белгиленген суў алыў лимитлерин ҳәм суў тутыныў қағыйдаларына бойсыныў; суўды арнаўлы тутыныўда нызамшылықта белгиленген тәртипте рухсатнаманы рәсмийлестириў; патаслаўшы затларға ийе болған жыйынды суўларды суў объектлерине ағызыўды кескин тоқтатыў илажларын көриўи; басқа суў тутыныўшылары ҳәм суўдан пайдаланыўшылардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң бузылыўына, сондай-ақ суў объектлерине, хожалық объектлери ҳәм тәбийғый ресурсларға (жерлер, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы, пайдалы қазылмалар, ҳәм басқаларға) зыян жеткизиўге жол қоймаўы; (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) суў алыў орынларын суўды басқарыў ҳәм есапқа алыў қураллары менен үскенелеў, ишки суў объектлери ҳәм қурылмаларын техникалық базасын саз жағдайда сақлаўы, олардан пайдаланыўдың белгиленген қағыйдаларына бойсыныўы; алынып атырған суў муғдары есабын жүргизиўи ҳәм суўды арнаўлы тутыныў ушын рухсатанама берген уйымларға зәрүр мәлимлемени усыныўы; суў ресурсларынан пайдаланғаны, сондай-ақ суўды жеткерип бериў бойынша хызметлер ҳәм көрсетилген басқа да суў хожалығы хызметлери ушын төлемлерди өз ўақтында шәртнама тийкарында төлеўи; суўды үнемлеў илажларын көриўи; суўларды қорғаў бойынша белгиленген тәртипте келисилген технологиялық, тоғай-мелиорациялық, агротехникалық, гидротехникалық, санитариялық илажлар ҳәм басқа да илажларды әмелге асырыўы; суўлардың патасланыўы ҳәм кемейип кетиўиниң алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў илажларын әмелге асырыўда өзлерине хызмет көрсетиўши суўдан пайдаланыўшылардың жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының талабына қарай қатнасыўы, сондай-ақ жер үсти ҳәм жер асты суўлары топланатуғын майданлардың патасланыўына жол қоймаўы; суў объектлериниң суўды қорғаў зоналары, жаға аймағы ҳәм санитариялық қорғалыў зоналарын қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳәм шәртлерине бойысыныў; суўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўшы уйымлардың ўәкиллерин өз суў хожалығы объектлерине белгиленген тәртипте киргизиўи ҳәм де оларға зәрүр мәлимлемени усыныўы; суўлардың ҳәм суў объектлериниң жағдайына тәсир ететуғын авариялар ҳәм басқа да тәбийғый ҳәм техноген түрдеги айрықша жағдайлар жүзеге келгенлиги ҳаққында өзлерине хызмет көрсетиўши суўдан пайдаланыўшыларды жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын өз ўақтында хабардар етиўи ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырыў бойынша ислерди әмелге асырыўда қатнасыўы; балықларды, басқа суў флорасы ҳәм фаунасын қорғаў илажларын әмелге асырыўы тийис. Суў тутыныўшыларының жуўапкершилигинде нызамшылыққа муўапық басқа да ўазыйпалар болыўы мүмкин.X БАП. СУЎДАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲӘМ СУЎДЫ ТУТЫНЫЎ ҲУҚЫҚЫН БИЙКАР ЕТИЎ
35-статья. Суўдан пайдаланыў ямаса суўды тутыныў ҳуқықын бийкар етиў тийкарлары Суўдан пайдаланыў ямаса суўды тутыныў ҳуқықы: суўдан пайдаланыў, суў тутыныўы талап етилмегенде ямаса олардан ўаз кешилгенде; суўдан пайдаланыў ямаса суў тутыныўы мүддети питкенде; кәрхана, мәкеме, шөлкем, фермер хожалығы сапластырылғанда, дийхан хожалығы сапластырылғанда (жумысы тоқтатылғанда); суў хожалығы қурылмалары басқа суўдан пайдаланыўшыларға берилгенде; жеке пайдаланып атырған суў объектлерин қайтарып алыўға зәрүрлик пайда болғанда бийкар етиледи. Суўдан пайдаланыў ямаса суўды тутыныў ҳәм суўларды қорғаў қағыйдалары бузылған ямаса суўдан мақсетсиз пайдаланылғанда ямаса суў мақсетсиз тутынылғанда ҳәм лимиттен тысқары суў алынғанда, суў ресурсларынан пайдаланғанлық, суўды жеткерип бериў бойынша хызметлер ҳәм көрсетилген басқа да суў хожалығы хызметлери ушын төлемлер төленбеген жағдайда да суўдан пайдаланыў ямаса суўды тутыныў ҳуқықы бийкар етилиўи мүмкин (ишимлик ҳәм турмыс талаплары ушын суўлардан пайдаланыў буған кирмейди). Нызамшылықта суўдан пайдаланыў ямаса суўды тутыныў ҳуқықын бийкар етиўдиң басқа тийкарлары да нәзерде тутылыўы мүмкин. 36-статья. Суўдан пайдаланыў ямаса суўды тутыныў ҳуқықын бийкар етиў тәртиби Суўдан пайдаланыў ямаса суўды тутыныў ҳуқықы: суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы тутыныў ушын берилген рухсатнаманың ҳәрекет етиўин тоқтатыў ҳәм оны бийкар етиў; (ҚР ЖК 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) жеке падаланыў ушын берилген суў объектлерин қайтарып алыў жолы менен бийкар етиледи. Суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы тутыныў ушын оған берилген рухсатнаманың ҳәрекет етиўин тоқтатыў ҳәм усы рухсатнаманы бийкар етиў нызамшылықта белгиленген тәртипте әмелге асырылады. (ҚР ЖК 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамына тийкар екинши бөлим жаңа редакцияда баян етилген) 37-статья. Жеке пайдаланыў ушын берилген суў объектлерин қайтарып алыў Жеке пайдаланыў ушын берилген суў объектлери нызамшылықта белгиленген тәртип бойынша қайтарып алынады. 38-статья. Суў хожалығы илажларын өткериў, суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы шәртлерин бийкар етиў ямаса өзгертиў нәтийжесинде келтирилген зыянның орнын қаплаў Кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, фермер, дийхан хожалықлары ҳәм де пуқараларға суў хожалығы илажларын (суў объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў ислерин ҳәм басқаларды) өткериў, суўдан рационал пайдаланбаў, оларды патаслаў, кемейтиў, сондай-ақ суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныў шәртлерин нызамға қайшы рәўиште бийкар етиў ямаса өзгертиў нәтийжесинде жеткизилген зыянның орны нызамшылықта белгиленген жағдайларда ҳәм тәртипте қапланады. Суў объектлериниң жаға аймақларында ҳәм санитариялық қорғаў зоналарында нызамға қайшы рәўиште қурылған объектлер ҳәм нызамға қайшы рәўиште өзлестирилген жер участкаларында суў хожалығы илажларын өткериў ўақтында жеткизилген зыянның орны қапланбайды.XI БАП. ХАЛЫҚТЫҢ ИШИМЛИК СУЎ, ТУРМЫСЛЫҚ ҲӘМ БАСҚА ДА МYТӘЖЛИКЛЕРИ УШЫН СУЎ ОБЪЕКТЛЕРИНЕН ПАЙДАЛАНЫЎ
39-статья. Халықтың ишимлик суў, турмыслық ҳәм басқа да мүтәжликлери ушын берилетуғын суў объектлери Халықтың ишимлик суў ҳәм турмыслық суў тәмийнатына мүтәжликлерин қанаатландырыў ушын суўдың сапасы белгиленген санитариялық - гигиена талапларына ҳәм мәмлекетлик стандартларға муўапық болған суў объектлери бериледи. 40-статья. Халықты орайластырылған тәртипте суў менен тәмийинлеў Халықтың ишимлик суў, турмыслық ҳәм басқа да мүтәжликлерин орайластырылған тәртипте суў менен тәмийинлеў ушын суў объектлеринен пайдаланылғанда, өзиниң күнделикли басқарыўында, ийелигинде ямаса пайдаланыўында хожалық-ишимлик водопроводлары болған кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер суў алыў қурыламалрының белгиленген тәртипте тастыйықланған жойбарларына ҳәм ишимлик суў алыў ҳәм оны тутыныўшыларға жеткерип бериў ушын суўдан арнаўлы пайдаланыў рухсатнамаларына муўапық суў тәмийнаты дереклеринен суў алыўға ҳуқықлы. Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер алып атырған суўларын есапқа алып барыўды шөлкемлестириўди, суў менен тәмийинлеў дереклериндеги суўдың сапасының жағдайын турақлы бақлап барады ҳәм дереклерде суў сапасы өзгергенлиги ҳәм жумсалған суў муғдары ҳаққында экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, геология ҳәм минерал ресурслар, санаатта, кәншиликте ҳәм коммунал-турмыс секторында ислердиң қәўипсиз алып барылыўын қадағалаў, санитариялық бақлаў уйымларына ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына мағлыўматлар берип турады. 41-статья. Халықты орайластырылмаған тәртипте суў менен тәмийинлеў Халықтың ишимлик суў, турмыслық ҳәм басқа да мүтәжликлерин орайластырылмаған тәртипте суў менен тәмийинлеў ушын суў объектлеринен пайдаланылғанда кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, фермер, дийхан хожалықлары ҳәм пуқаралар суўдан рационал пайдаланыў ямаса суўдан улыўма ямаса арнаўлы тутыныў тәртибинде тиккелей жер асты ямаса жер үсти суў объектлеринен суў алыўға ҳуқықлы. Зәрүр жағдайларда, бундай суў алыў каналлар, коллекторлар, суў сақлағышларды жойбарластырыў, қурыў ҳәм реконструкциялаў ўақтында нәзерде тутылыўы ҳәм мөлшерлеп қойылыўы тийис. Усы мақсетлер ушын арналған суў алыў қурылмаларынан пайдаланыў Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы турақ-жай коммуналлық хызметин көрсетиў министрлиги ҳәмде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниӊ аймақлық бөлиминиӊ шешимине муўапық ҳәм суў объектлеринен пайдаланыўшы шөлкемлер, сондай-ақ экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, санитариялық бақлаў пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен келисилген ҳалда әмелге асырылады. Суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшылары усы суў алыў қурылмаларының тийисли санитариялық-техникалық жағдайда болыўын тәмийийнлеўи тийис. (ҚР 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) 42-статья. Тутыныўға жарамлы жер асты суўларынан тутыныўға ҳәм турмыс талапларына байланыслы болмаған мақсетлерде пайдаланыўды шеклеў Тутыныўға жарамлы жер асты суўларынан тутыныўға ҳәм турмыс талапларына байланаслы болмаған мақсетлерде пайдаланыўға, әдетте, жол қойылмайды. Жер жүзиндеги зәрүр суў дереклери болмаған ҳәм тутыныўға жарамлы жер асты суў қорлары жетерли болған орынларда усы Нызамның 29-статьясына муўапық лимитлерге сәйкес рәўиште экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, геология ҳәм минерал ресурслары уйымлары бундай суўлардан ишимлик ҳәм турмыслық зәрүрликлерге байланыслы болмаған мақсетлерде пайдаланыўға рухсат бериўи мүмкин.XII БАП. СУЎ ОБЪЕКТЛЕРИНЕН ЕМЛЕЎ, КУРОРТ ҲӘМ САЛАМАТЛАСТЫРЫЎ МАҚСЕТЛЕРИНДЕ ПАЙДАЛАНЫЎ
43-статья. Шыпалы суўлар қатарына киргизилген суў объектлеринен биринши гезекте емлеў ҳәм курорт мақсетлеринде пайдаланыў Белгиленген тәртипте шыпалы суўлар қатарына киргизилген суў объектлеринен биринши гезекте емлеў ҳәм курорт мақсетлеринде пайдаланылады. Аўыл ҳәм суў хожалығы ҳәм экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары шыпалы суўлар қатарына киргизилген суў объектлеринен айырым жағдайларда ғана тийисли санаатта, кәншиликте ҳәм коммунал-турмыс секторында жумыслардың қәўипсиз алып барылыўын қадағалаў уйымлары, денсаўлықты сақлаў уйымлары ҳәм курорт басқармалары менен келисилген ҳалда, басқа мақсетлер ушын пайдаланыўға рухсат бериўи мүмкин. 44-статья. Шыпалы суўлар қатарына киргизилген суў объектлерине ағынды суўлар тасланыўын қадаған етиў Шыпалы суўлар қатарына киргизилген суў объектлерине ағынды суўларды таслаў қадаған етиледи. 45-статья. Дем алыў ҳәм спорт суў объектлеринен пайдаланыў тәртиби Дем алыў ҳәм спорт ушын суў объектлеринен пайдаланыў тәртиби нызамшылық пенен белгиленеди.XIII БАП. СУЎ ОБЪЕКТЛЕРИНЕН АЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ЗӘРYРЛИКЛЕРИ УШЫН ПАЙДАЛАНЫЎ
46-статъя. Аўыл хожалығы мүтәжликлери ушын суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы Аўыл хожалығы мүтәжликлери ушын суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы аўыл хожалық кәрханалары, оқыў орынлары, шөлкемлер, фермер ҳәм дийхан хожалықларының, сондай-ақ пуқаралардың суўғарылатуғын жерлеринде қолай суў режимин жүзеге келтириў мақсетинде әмелге асырылады. Суў объектлеринен аўыл хожалығы мүтәжликлери ушын пайдаланыў лимит бойынша суўдан пайдаланыў яки суў тутыныўының белгиленген тәртибине бойсынған жағдайда суўдан рационал пайдаланыў яки суўды улыўма ҳәм арнаўлы пайдаланыў тәртибинде әмелге асырылады. Фермер ҳәм дийхан хожалықларының суў алыў лимитлери олардың келисимисиз өзгертилиўи мүмкин емес, дереклердиң суўы кемейген жағдайлары буған кирмейди. Аўыл хожалығы мүтәжликлери ушын суўдан арнаўлы пайдаланыў яки суўды арнаўлы тутыныў ушын рухсатнама усы Нызамның 26-статъясына муўапық бериледи. 47-статъя. Аўыл хожалығы мүтәжликлери ушын суўдан пайдаланыўды ҳәм суўдан тутыныўын жобаластырыў Суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы ҳәр жылғы суў менен ҳақыйқый тәмийинлениў есапқа алынған ҳалда суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы режелери тийкарында әмелге асырылады. Коллектор-дренаж тармағында суўдан пайдаланыўды ҳәм суў тутыныўын режелестириў мелиорация исленип атырған жерлердиң жағдайын, коллектор-дренаж суўы сапасын есапқа алған жағдайда әмелге асырылады. Суў тутыныўы режелери суў тутыныўшылары бирлеспелери тәрепинен дүзиледи ҳәм тастыйықланады. Суў тутыныўшылары бирлеспелери суў тутыныў режелерин улыўмаластырады ҳәм шөлкемлердиң суўдан пайдаланыў режелерин дүзеди. Суў тутыныў бирлеспелериниң суўдан пайдаланыў режелери ирригация тармақлары басқармалары ҳәм ирригация тармақлары бассейнлер басқармалары тәрепинен улыўмаластырылады. Төмендегилер: Ирригация системалары басқармасы район аўыл ҳәм суў хожалығы бөлими менен келисилген ҳалда – суў тутыныўшылар шөлкемлери бойынша; Ирригация системалары бассейни басқармасы, Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң тийисли аймақлық уйымлары менен келисилген ҳалда – ирригация системасы бойынша; Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң, Суў хожалығы Бас басқармасы – бассейнлик ирригация системасы бойынша, ири ҳәм оғада әҳмийетли суў хожалығы объектлери бойынша дүзилген ҳәм улыўмаластырылған суўдан пайдаланыў режелерин тастыйықлайды. 48-статъя. Суўғарылатуғын жерлерде суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўының өзгешеликлери Суўғарылатуғын жерлерде каналлар, қурамалы инженерлик қурылмалар, мелиорация тармағы пайда етилгенлиги усындай жерлердиң өзгешелиги болып табылады. Суў қоры жерлеринен, суў объектлеринен, суўғарылатуғын жерлер шеңбериндеги суў хожалығыны пайдаланыўшы шөлкемлери суў хожалығы объектлери ҳәм имаратларынан жеке суў хожалығы тармағы сыпатында пайдаланылады, олар мәмлекетлик мүлк болып, меншиклестирилиўге жатпайды. Суў объектлериниң жаға аймақлары, жер асты суўын алыўдың санитариялық қорғаў зоналарына жатпайды. I ҳәм II пояслары тәбиятты қорғаў мүтәжликлери ушын жер ийелери ҳәм жерден пайдаланыўшылардан тәбиятты қорғаў мүтәжликлери ушын алып қойылыўы мүмкин. Суўғарылатуғын дийқаншылық мүтәжликлери ушын суў объектлеринен пайдаланыў лимит бойынша суўдан пайдаланыўдың яки суўды тутыныўдың белгиленген тәртибине бойсынған ҳалда әмелге асырылады. Суўды тек есаптан өткен, суўды басқарыў ҳәм есаплаў қураллары менен тәмийинленген суў ажыратыў жерлеринен (каналлардың суў алыў қурылмалары, қудық, насос станциясы (агрегаты) ҳәм басқа суў алыў қурылмалары) шәртнама тийкарында алыўға рухсат бериледи. 49-статъя. Аўыл хожалығы мүтәжликлери ушын суў объектлеринен пайдаланыўшы суў тутыныўшыларының миннетлери Аўыл хожалығы мүтәжликлери ушын суў объектлеринен пайдаланыўшы суўда тутыныўшылар усы Нызамның 34-статъясында нәзерде тутылған миннетлерден тысқары: суў ресурсларын сапалы басқарыўы, лимиттен артықша суў алыныўына ҳәм суўдан мақсетсиз пайдаланыўға жол қоймаўы; белгиленген тәртипте жаңа суў объектлери қурылыўын ҳәм ислеп турғанларын реконструкция ислениўин, сондай-ақ суўғарылатуғын жерлердиң комплексли реконструкция ислениўин шөлкемлестириўи: аўыл хожалығы мүтәжликлери ушын пайдаланылатуғын суўлардың мониторинги тийкарында унамсыз жағдайлардың себеплери ҳәм ақыбетлерин сапластырыўы шәрт. 491-статъя. Аўыл хожалығы мүтәжликлери ушын суў ресурсларынан пайдаланыўшы суў тутыныўшыларының миннетлери Аўыл хожалығы мүтәжликлери ушын суў ресурсларынан пайдаланыўшы суўдан тутыныўшылары усы Нызамның 341-статъясында нәзерде тутылған миннетлерден тысқары: аўыл хожалығы егинлерин ҳәм тереклерди суўғарыў, сондай-ақ жайлаўларға суў шығарыўдың қолай режимин сақлаўы; суўды үнемлейтуғын технологияларды ҳәм алдыңғы суўғарыў технологиясын пайда етиў арқалы суўғарыў қураллары ҳәм усылларын жетилистириўи; суўды үнемлеўге мүмкиншилик беретуғын агротехникалық илажларды әмелге асырыўы; топырақтың өнимдарлығын сақлаў мүмкиншилигин беретуғын мелиорация илажларын әмелге асырыўы; суўғарыў ушын берилген суўлардың коллектор-дренаж тармағына ҳәм басқа да суў объектлерине ағызып жибериўине жол қоймаўы; суў хожалығы объектлерин қурыў, реконструкциялаў, оңлаў ҳәм тиклеўде нызамшылықта белгиленген тәртипке бойсынылыўы шәрт. 50-статъя. Ақаба суўлар менен суўғарыў Аўыл хожалық жерлерин ақаба суўлар менен суўғарыўға экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары мәмлекетлик санитариялық бақлаў ҳәм мәмлекетлик ветеринария хызмети уйымлары менен келисилген ҳалда рухсат етиледи. (ҚР ЖК 11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Санаат, коммунал кәрханалары ҳәм басқа да кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм де пуқаралар топырақ өнимдарлығына ҳәм жетистирилетуғын аўыл хожалығы өнимлерине зыян келтириўши суўларды аўыл хожалық егинлерди суўғарыў ушын берилиўи қадаған етиледи. 51-статъя. Тоғайлар, терекзарлар ҳәм нәлханалар менен бәнт болған жерлерди суўғарыў Усы Нызамның 46, 49-статъялары ҳәм 50-статъяларының биринши бөлиминде көрсетилген талаплар тоғайлар, терекзарлар ҳәм нәлханалар менен бәнт болған жерлерди суўғарыўға қолланылады. 52-статъя. Жәмәәтлик бағларды, жүзимзарларды, егисликлерди ҳәм тамарқа жер участкаларын суўғарыў ушын суў объектлеринен пайдаланыў Жәмәәтлик бағларды, жүзимзарларды, егисликлерди ҳәм тамарқа жер участкаларын суў менен тәмийинлеў суў тутыныўы туўралы шәртнама тийкарында суў тутыныўшылары бирлеспелери тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Пуқаралардың егисликлерин ҳәм тамарқа жер участкаларын суўғарыў ушын суў ресурсларын ажыратыў суў тутыныўшылары шөлкемлери тәрепинен белгиленетуғын пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының суў алыў лимитлеринде нәзерде тутылады. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары пуқаралардың егисликлери ҳәм тамарқа жер участкаларын суўғарыў ушын суўға болған мүтәжликлерин улыўмаластырады, суўдан пайдаланыў турақлы шәртнамалар дүзеди ҳәм олар арасында суўды пайдаланыў тәртибин белгилейди, сондай-ақ суўғарыў тармақларында оңлаў-тиклеў жумысларын шөлкемлестиреди. 53-статъя. Суў тутыныўшыларына суў объектлеринен берилетуғын суў ағымы муғдарын өзбетинше өзгертиўди қадаған етиў Суў тутыныўшыларының суў тутыныўшылары бирлеспелери ҳәм суў хожалығының пайдаланыўшы шөлкемлери менен белгиленген тәртипте келисилмеген ҳалда суў муғдарын көбейтиў яки кемейтиў мақсетинде суў объектлериндеги гидротехникалық қурылмаларды өз бетинше өзгертиўи, сондай-ақ оларға ўақтынша тосқынлықлар, насос станциялары (агрегатлар) ҳәм суўды көтеретуғын ҳәмде суў алатуғын басқа да қурылмаларды қурыў қадаған етиледи. Есаптан өткерилмеген суў ажыратыў жерлеринен өз бетинше суў алыў қадаған етиледи. 54-статъя. Суў объектлери ҳәм гидротехникалық қурылмалар үстинен тракторлар, транспорт қуралларын ҳәм шарўа малларын айдап өтиўдиң қадаған етилиўи Суў объектлери ҳәм гидротехникалық имаратлар үстинен тракторлар, аўыл хожалық машиналары, автомобиллер ҳәм басқа транспорт қуралларын айдап өтиў, сондай-ақ белгиленбеген жерлерден шарўа малларын айдап өтиў ҳәм суўғарыў қадаған етиледи.XIV БАП. СУЎ ОБЪЕКТЛЕРИНЕН САНААТ МАҚСЕТЛЕРИНДЕ ҲӘМ ЭНЕРГЕТИКА МYТӘЖЛИКЛЕРИ УШЫН ПАЙДАЛАНЫЎ
55-статъя. Суў объектлеринен санаат мақсетлеринде ҳәм ыссылық энергетика мүтәжликлери ушын пайдаланыўшы суў тутыныўшыларының миннетлери Суў объектлеринен санаат мақсетлеринде ҳәм ыссылық энергетика мүтәжликлери ушын пайдаланыўшы суў тутыныўшылары, усы Нызамның 34-1-статъясында нәзерде тутылған миннетлерден тысқары, өндирислик технологияларды жетилистириў, суў тәмийинатының айланба ҳәм тәкирарий системаларын пайда етиў арқалы суў муғдарын кемейтиў ҳәм ақаба суўлардың ағызып жиберилиўин тоқтатыў илажларын әмелге асырыўы шәрт. Жобаластырылған ҳәм иске түсирилип атырған санаат объектлери ушын суў базасының үзликсиз системасынан пайдаланыўды нәзерде тутыў қадаған етиледи, өндирис шәртлери менен айланба суў тәмийинатына көширилиўи мүмкин болмаған кәрхана ҳәм басқа да объектлер буған кирмейди. Айланба суў тәмийнатына ийе болмаған ҳәрекеттеги кәрханалар ушын экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары тәрепинен аўыл ҳәм суў хожалығы уйымлары менен келисилген ҳалда оларды суў тәмийинатының үзликсиз системасына өткериў мүддетлери белгиленеди. 56-статъя. Ишимлик суўдан санаат мақсетлери ушын пайдаланыўды шеклеў Тәбийий апат, авариялар жүз берген жағдайда ҳәм басқа күтилмеген жағдайларда, сондай-ақ кәрхана водопровод суўын лимиттен артықша алған жағдайда, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары халықтың ишимлик суў ҳәм турмыслық мүтәжликлерин биринши нәўбетте қанаатландырыўды гөзлеп, коммуналлық водопроводлардан санаат мақсетлери ушын ишимлик суўдан пайдаланыўды азайтыўға яки қадаған етип қойыўға ҳәм ведомоствалық ишимлик суў беретуғын хожалық водопроводлары суўынан санаат мақсетлери ушын пайдаланыўды ўақытша шеклеп қойыўға ҳуқықлы. 57-статъя. Жер асты суўларынан техникалық суў тәмийинаты ҳәм басқа да санаат мақсетлери ушын пайдаланыў Ишимлик суўлар қатарына киргизилген жер асты душшы суўлардан өндирислик-техникалық мақсетлер ушын пайдаланыў қадаған етиледи, зәрүр жер үсти суў базалары болмаған аймақларда пайдаланатуғын жағдайлар буған кирмейди. Ишимлик яки шыпалы суўлар қатарына киргизилмеген жер асты суўларынан (душшы, минерал ҳәм ыссы суўлардын) пайдаланыўға болатуғын тастыйықланған захиралары болса, белгилеп қойылған тәртипте техникалық суў тәмийинаты ушын, усы суў қурамындағы химиялық элементлерди ажыратып алыў, ыссылық энергиясын пайда етиў ҳәм басқа да өндирислик мүтәжликлер ушын суўдан пайдаланыў ҳәм оны қорғаў талапларына бойсынған ҳалда пайдаланыў мүмкин. 58-статъя. Суў объектлеринен гидроэнергетика мүтәжликлери ушын пайдаланыў Суў объектлеринен гидроэнергетика мүтәжликлери ушын пайдаланыў экономиканың басқа тараўлары мәплери есапқа алынып, аўыл ҳәм суў хожалығы уйымлары менен келисилген ҳалда, сондай-ақ, егер Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң шешиминде басқаша жағдай нәзерде тутылмаған болса, тийисли жағдайларда аўыл суў хожалығы ҳәм экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымларының шешими менен, суўлардан комплексли ҳәм рационал пайдаланыў талапларына бойсынылған ҳалда әмелге асырылады. Гидроэнергетика мүтәжликлери ушын берип қойылған суў объектлеринен тәбийғий шәраятларға, хожалық мүтәжликлери ҳәм басқа да мүтәжликлерге қарай, басқа да мақсетлер ушын пайдаланылады. Гидроэнергетика кәрханалары усы Нызамның 34-статъясында нәзерде тутылған миннетлерден тысқары: суў объектлериниң пайдаланыў қағыйдаларында белгиленген ис режимин, соның менен бирге суў сақлағышларды толтырыў ҳәм иске түсириў, олардан суў шығарыў ҳәм суўдың жоқары ҳәм төменги қәдди өзгериўиниң режимин сақлаў; тәбиятты санитариялық қорғаў мақсетлеринде суў сақлағышлардан суў шығарып турылыўын тәмийинлеўи шәрт.XV БАП. СУЎ ОБЪЕКТЛЕРИНЕН БАЛЫҚШЫЛЫҚ ХОЖАЛЫҒЫ МYТӘЖЛИКЛЕРИ УШЫН ПАЙДАЛАНЫЎ
59-статъя. Балықшылық хожалықлары мәплери ушын балықшылық хожалығы ҳәўизлери суўынан пайдаланыўды шеклеў Балықлардың баҳалы түрлерин ҳәм суў менен байланыслы аўшылық объектлерин сақлап қалыў ҳәм өршитип көбейттириў ушын айрықша әҳмийетке ийе болған балықшылық хожалығы ҳәўизлеринде яки усы ҳәўизлердиң айырым участкаларында суўдан пайдаланыўшылардың ҳуқықлары балықшылық хожалығы мәплери ушын шеклеп қойылыўы мүмкин. Бундай ҳәўизлердиң яки усы ҳәўизлердеги участканың дизимин ҳәм суўдан пайдаланыўды шеклеў түрлерин экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ҳәм аўыл ҳәм суў хожалығы уйымлары белгилеп береди ҳәм Өзбекстан Республикасының Министрлер Кабинети тастыйықлайды. 60-статъя. Балық запасларын қорғаў ҳәм балықларды өршитип көбетиў илажлары Балықшылық хожалығы ҳәўизлериндеги гидротехникалық қурылмалары ҳәм басқа қурылмаларды ислетиўде балық захираларын қорғаў ҳәм балықларды өршитип көбейтиў шәраятларын тәмийинлеў илажлары өз ўақтында әмелге асырылыўы шәрт. Балық хожалығына қараслы суў ҳәўизлериндеги балықлар уўылдырық шашатуғын ҳәм олардың қыслаў уялары жайласқан жерлерге топырақ төгиў, балық запаслары жағдайына ҳәм олардың өршитип көбейиў шәраятларына кери тәсир етиўши басқа да жумысларды жүргизиўге жол қойылмайды. Санаат мақсетлеринде, суўғарыў ҳәм басқа да мүтәжликлер ушын балықшылық хожалығы суў ҳәўизлеринен суў алыўға экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары менен келисип, суў шығарыў қурылмаларына балық түсип қалмаўын тәмийинлейтуғын арнаўлы қураллар орнатыў шәрти менен жол қойылыўы мүмкин. 61-статъя. Балықшылық хожалығы суў ҳәўизлеринен ямаса аң аўлаў участкаларынан пайдаланыўшы кәрханалардың, мәкемелердиң ҳәм шөлкемлердиң миннетлери Балықшылық хожалығы суў ҳәўизлери ямаса аң аўлаў участкалары пайдаланыўға берип қойылған кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер усы Нызамның 34 ҳәм 34-1-статъяларында нәзерде тутылған миннетлерден тысқары: балық запасларының өршитип көбейиў шәраятларын тәмийинлеўи; ирригация-мелиорация тармақларын, жасалма ҳәўизлер ҳәм басқа да балықшылық хожалығы қурылмаларын қурыў, реконструкциялаў, оңлаў ҳәм тиклеўди әмелге асырыўы, сондай-ақ оларды техниклық жақтан саз ҳалында сақлаўы; зәрүрли мелиорация жумысларын алып барыў ҳәм усы кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер жайласқан жерлердеги қурғақ участкалардың санитариялық жағдайы сақлаўы шәрт. 62-статъя. Суў объектлеринен балықшылық хожалығы мүтәжликлери ушын пайдаланыў тәртиби Суў объектлеринен балықшылық хожалығы мүтәжликлери ушын пайдаланыў тәртиби нызамшылықта белгиленеди. 63-статъя. Суў объектлеринен спорт ҳәм ҳәўескерлик балық аўлаў ушын пайдаланыў тәртиби Суў объектлеринде спорт ҳәм ҳәўескерлик жолы менен балық аўлаўға рухсат бериледи, мәмлекетлик қорықханалары, тәбият бағларының ҳәм мәмлекетлик биосфера резерватларының қорықханаға айландырылған зоналары аймағындағы суў объектлери буған кирмейди. (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген). Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары усы мақсетлер ушын жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен келисилген ҳалда суў объектлерин ямаса олардың айырым участкаларын ажыратып бериўи мүмкин. Балықшылық хожалығы шөлкемлерине бириктирилген тәбыйғый суў бассейнлеринде, балықшылық питомниклеринде ҳәмде ҳәўиз хожалықларында, сондай-ақ аңшылық-балық аўлаў жәмийетлерине бекитилген жерлерде спорт ҳәм ҳәўескерлик жолы менен балық аўлаў олардың руқсаты менен әмелге асырылады. (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген).XVI БАП. СУЎ ОБЪЕКТЛЕРИНЕН АҢШЫЛЫҚ ХОЖАЛЫҒЫ МYТӘЖЛИКЛЕРИ УШЫН ПАЙДАЛАНЫЎ
64-статья. Аңшылық хожалығын жүритиўши шахслардың суўдан пайдаланыўға байланыслы артықмашылықлы ҳуқықлары Жабайы суў қуслары ҳәм баҳалы тери беретуғын суў ҳайўанлары (қундыз, ондатра, суў тышқаны, нутрия ҳәм басқалар) мәканы болған дәрьяларда, көллерде ҳәм басқа да суў объектлеринде аңшылық хожалығын жүритип атырған юридикалық ҳәм физикалық шахсқа экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, суў хожалығы уйымлары суўдан комплексли пайдаланыў талапларын есапқа алған ҳалда суўдан пайдаланыў ушын артықмашылықлы ҳуқықлар берилиўи мүмкин. (ҚР ЖК 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 65-статья. Суў объектлеринен аңшылық хожалығы мүтәжликлери ушын пайдаланыў тәртиби Суў объектлеринен аңшылық хожалығы мүтәжликлери ушын пайдаланыў тәртиби нызамшылық пенен белгиленеди.XVII БАП. ҚОРҒАЛАТУҒЫН ТӘБИЙҒЫЙ АЙМАҚЛАРДА ЖАЙЛАСҚАН СУЎ ОБЪЕКТЛЕРИНЕН ПАЙДАЛАНЫЎ
66-статья. Қорғалатуғын суў объектлери Баслы бағдары экологиялық, илимий, мәдений, эстетикалық, рекреация ҳәм санитария-саламатландырыў әҳмийетине ийе суў объектлери ямаса олардың айырым участкалары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қорықланатуғын тәбийғый аймақлар деп жәрияланады ҳәм хожалық мақсетинде пайдаланыўдан шығарылады. . (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 67-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар суўларынан пайдаланыў тәртиби ҳәм оларды қорғаў илажлары Мәмлекет қорықханалары, тәбият бағларының ҳәм мәмлекетлик биосфера резерватларының қорықханаға айлантырылған зоналары суўларынан балық аўлаў, аў қылыў, суў өсимликлери ҳәм организмлерин жыйнаў ушын пайдаланыў, сондай-ақ, бундай суўлардан тәбийғый жағдайды бузыўшы басқа ҳәрекетлерди әмелге асырыў қадаған етиледи. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар суўларына ағынды суўларын ағызыўға, сондай-ақ оларда гидромелиорация жумысларын өткизиўге усы Нызамда белгиленген талапларға бойсынған халда жол қойылады. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар суўларынан пайдаланыў тәртиби ҳәм оларды қорғаў режими нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди.(ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 68-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың суў обьектлерин алып қойыў Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың суў объектлерин алып қойыўға зәрур болған айрықша жағдайларда, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм ўәкилликке ийе уйымлар тәрепинен жол қойылады. (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)XVIII-БАП. СУЎ ОБЬЕКТЛЕРИНЕН СУЎ ТРАНСПОРТЫ МYТӘЖЛИГИ УШЫН ПАЙДАЛАНЫЎ
69-статья. Кеме қатнайтуғын суў жоллары Дәрьялар, көллер, суў сақлағышлар, каналлар суў жоллары ямаса жеке пайдаланыў ушын берип қойылмаған болмаса, улыўма пайдаланатуғын суў жоллары есапланады. Кеме қатнаўы ушын суў обьектлеринен пайдаланыў аўыл ҳәм суў хожалығы, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары ҳәм Өзбекстан автомобиль ҳәм дәрья транспорты агентлиги менен келисилген ҳалда әмелге асырылады. 70-статья. Суў жолларын кеме қатнайтуғын суў жоллары қатарына киргизиў, сондай-ақ суў жолларынан пайдаланыў қағыйдаларын белгилеў тәртиби Суў жолларын кеме қатнайтуғын суў жоллары қатарына киргизиў, сондай-ақ суў жолларынан пайдаланыў қағыйдаларын белгилеп бериў тәртиби нызамшылық пенен белгиленеди. 71-статья. Суў объектлеринен киши кемелерде жүзип жүриў ушын пайдаланыў Суў объектлеринен киши кемелерде (ескекли ҳәм моторлы қайықлар, катерлер, яхталар ҳәм т.б.) жүзип жүриў ушын пайдаланыўға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын қағыйдаларға муўапық рухсат бериледи.XIX БАП. ПАТАС СУЎЛАРДЫ АҒЫЗЫЎ УШЫН СУЎ ОБЪЕКТЛЕРИНЕН ПАЙДАЛАНЫЎ
72-статья. Патас суўларды ағызыў ушын суў обьектлеринен пайдаланыўға рухсат бериўши уйымлар (ҚР 27.06.2014-ж. 209/XV ҚР Нызамына муўапық алып тасланған) 73-статья. Суў обьектлерине патас суўларды ағызыўға жол қойылатуғын жағдайлар Суў объектлерине патас суўларды ағызыўға тек оларда патаслаўшы затлар белгиленген нормалардан аспаған жағдайларда ғана ҳәм экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ҳәм санитариялық бақлаў уйымлары тәрепинен белгилеп қойылған дәрежеге шекем патас суўларды суўдан пайдаланыўшы тазалаў шәрти менен рухсат етиледи. Егер бул талаплар бузылса, патас суўларды ағызып жибериў айрым санаат қурылмаларының, цехлардың, кәрханалардың, шөлкемлердиң, мәкемелердиң жумысын тоқтатқанға шекем экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша ҳәм санитариялық бақлаў уйымлары тәрепинен шеклениўи, тоқтатып қойылыўы ямаса қадаған етилиўи шәрт. Халықтың денсаўлығына қәўип туўдыратуғын жағдайларда, патас суўларды ағызып жибериў бул өндирислик ҳәм басқа да объектлерден пайдаланыў тоқтатылғанға шекем тоқтатып қойылыўы шәрт. 74-статья. Патас суўларды ағызыў ушын суў объектлеринен пайдаланыў тәртиби ҳәм шәртлери Патас суўларды ағызыў ушын суў объектлерин пайдаланыў тәртиби ҳәм шәртлери нызамшылық пенен белгиленеди.XX БАП. ӨРТКЕ ҚАРСЫ ИЛАЖЛАР ҲӘМ БАСҚА ДА МӘМЛЕКЕТЛИК ЖӘНЕ ЖӘМИЙЕТЛИК МYТӘЖЛИКЛЕР УШЫН СУЎ ОБЪЕКТЛЕРИНЕН ПАЙДАЛАНЫЎ
75-статья. Өртке қарсы илажлар ушын суў объектлеринен пайдаланыў Өртке қарсы илажлар ушын қәлеген суў обьектлеринен суў алыўға рухсат етиледи. 76-статья. Өртке қарсы илажлар ҳәм мәмлекетлик және жәмийетлик мүтәжликлер ушын суў объектлеринен пайдаланыў тәртиби Өртке қарсы илажлар ҳәм мәмлекетлик және жәмийетлик мүтәжликлер ушын суў объектлеринен пайдаланыў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен белгиленеди.XXI БАП. СУЎ САҚЛАҒЫШЛАР, ГИДРОУЗЕЛЛЕР ҲӘМ БАСҚА ДА ҚУРЫЛМАЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎ
77-статья. Суў сақлағышларды суў менен толтырыў ҳәм ислетиў режими Суў сақлағышларда водопровод, дамбалар, суў өткериў ҳәм суў топлаў қурылмалары, гидроэнергетикалық комплекслерден ҳәм басқа да қурылмалардан пайдаланыўшы кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер суў сақлағышлардың тәсир етиў зоналарында суўдан пайдаланыўшылардың мәплерин есапқа алып, белгиленген суў сақлағышларды толтырыў ҳәм ислетиў режимин сақлаўға миннетли. Суў сақлағышлар суўдан пайдаланыўшылардың ҳәм суўға болған талапларын қанаатландырыў ушын жер үсти суўын тәртиплестириў мақсетинде қурылады. Суў сақлағышларды суўға толтырыў ҳәм ислетиў, суў қәддиниң өзгериўи, гидроузел арқалы оны өткериў режими, кемелерди тосқынлықсыз ҳәм қәўипсиз өткериў, сондай-ақ уўылдырық шашыў орынларына балықлырды өткериў режими суў сақлағышларды пайдаланыў қағыйдалары менен белгиленеди. 78-статья. Суў сақлағышлардан пайдаланыў тәртиби Суў сақлағышлардан пайдаланыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы ири ҳәм оғада әҳмийетли суў хожалығы обьектлериниң техникалық жағдайын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен келисилип, ҳәр бир суў сақлағыш, суў сақлағыш каскады ямаса системасы ушын тастыйықланған қағыйдаларда белгиленеди. 79-статья. Суў сақлағышлардың тийисли техникалық жағдайын ҳәм абаданластырылыўын тәмийинлейтуғын илажларды шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў Суў сақлағышлардың тийисли техникалық жағдайын ҳәм абаданластырылыўын тәмийинлейтуғын илажларды шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў, сондай-ақ олардан пайдаланыў қағыйдаларының сақланыўы үстинен қадағалаў аўыл ҳәм суў хожалығы уйымлары тәрепинен әмелге асырылады. 80-статья. Суў сақлағышлар сыпатында көл ҳәм басқа да суў ҳәўизлеринен пайдаланыў Усы Нызамның 77, 78 ҳәм 79–статьялары қағыйдалары, суў сақлағышлар сыпатында пайдаланатуғын көллерден ҳәм басқа да суў ҳәўизлеринен пайдаланыўда да қолланылады. 81-статья. Гидроузеллер ҳәм басқа да гидротехникалық қурылмалардан пайдаланыў тәртиби Дәрьялар, сайлар, каналлар ҳәм коллекторлардағы аўыл ҳәм суў хожалығы уйымлары тәрепинен пайдаланылатуғын гидроузеллер ҳәм басқа да гидротехника қурылмалары мәмлекетлик суў объектлери болып, олардан белгиленген тәртипте пайдаланылады. Ишки хожалық гидромелиоративлик тараўдың гидротехникалық қурылмалары, соның ишинде суўғарыў каналлары ҳәм коллектор-дренаж тармақлары тийислилигине қарай суўдан пайдаланыўшылар тәрепинен пайдаланылады. Аўыл ҳәм суў хожалығы уйымлары суў тутыныўшылары ассоциациялары менен дүзилген шәртнамалар бойынша ишки хожалық тармақлары ҳәм ондағы қурылмаларға техникалық хызмет көрсетиў ушын қабыл етип алыўы мүмкин.XXII БАП. АРАЛ ТЕҢИЗИ БАССЕЙНИНДЕ МӘМЛЕКЕТЛЕР АРАЛЫҚ СУЎДАН ПАЙДАЛАНЫЎ
82-статья. Арал теңизи бассейниндеги Өзбекстан Республикасы ҳәм басқа да мәмлекетлердиң аймағында жайласқан трансшегаралық суў обьектлеринен пайдаланыўды тәртиплестириў Өзбекстан Республикасының ҳәм Арал теңизи бассейниндеги басқа да мәмлекетлердиң аймағында жайласқан трансшегаралық суў обьектлеринен (Әмиўдәрья, Сырдәрья, Зарафшан дәрьялары, Арал теңизи ҳәм басқа да трансшегаралық суў обьектлеринен) пайдаланыўды тәртиплестириў Өзбекстан Республикасының мәмлекетлер аралық шәртнамаларына муўапық әмелге асырылады.XXIII БАП. СУЎДАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲӘМ СУЎ ТУТЫНЫЎЫ БОЙЫНША ТАРТЫСЛАРДЫ ШЕШИЎ
83-статья. Суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы бойынша тартысларды шешетуғын уйымлар Суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы бойынша тартыслар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен, сондай-ақ аўыл ҳәм суў хожалығы, тәбиятты қорғаў, геология ҳәм минерал ресурслар уйымлары ҳәм басқа да ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен нызам менен белгиленетуғын тәртипте шешиледи. 84-статья. Суўдан пайдаланыў бойынша тартысларды шешиў бойынша пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ўәкилликлери Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары аймағындағы суў объектлеринен пайдаланыў мәселелери бойынша пуқаралар арасындағы суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы бойынша тартысларды шешиў усы уйымлардың ўәкиллигине киреди, аўыл ҳәм суў хожалығы, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары ҳәм усыған ўәкилликли басқа мәмлекетлик уйымлардың шешиўи тийис болған тартыслар буған кирмейди. 85-статья. Суўдан пайдаланыў бойынша тартысларды шешиў бойынша жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлери Тийисли аймақта суў объектлеринен пайдаланыў мәселелери бойынша кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм пуқаралар арасындағы суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы туўралы тартысларды шешиў жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкиллигине киреди, аўыл ҳәм суў хожалығы, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары ҳәм усыған ўәкилликли басқа мәмлекетлик уйымлардың шешиўи тийис болған тартыслар буған кирмейди. 86-статья. Суўдан пайдаланыўға байланыслы тартысларды шешиў бойынша районлар ҳәкимият уйымларының ўәкилликлери Районлар ҳәкимият уйымларының ўәкиллигине аўыл хожалығы кооперативлери (ширкетлери), фермер, дийхан, хожалықлары, район бойсыныўындағы басқа да кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер арасында, сондай-ақ усы кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер менен пуқаралар арасында суўдан пайдаланыўға байланыслы жүзеге келген тартысларды шешиў ўазыйпасы киреди, аўыл ҳәм суў хожалығы, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ўйымлары ҳәм усыған ўәкиллик берилген басқа мәмлекетлик уйымлар шешиўи тийис болған тартыслар буған кирмейди. 87-статья. Суўдан пайдаланыўға байланыслы тартысларды шешиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ўәкиллигине тәреплердиң бири республика бойсыныўындағы кәрхана, шөлкем ямаса мәкеме болған жағдайда суўдан пайдаланыўға байланыслы тартысларды ҳәм республикадағы ҳәр қыйлы районларда жайласқан кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер арасындағы суўдан пайдаланыўға байланыслы тартысларды шешиў ўазыйпасы киреди, аўыл ҳәм суў хожалығы, тәбиятты қорғаў уйымлары ҳәм соған ўәкиллик берилген басқа мәмлекетлик уйымлар шешиўи тийис болған тартыслар буған кирмейди. 88-статья. Суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы ҳаққындағы мәмлекетлер аралық тартысларды шешиў Қарақалпақстан Республикасы ҳәм басқа да мәмлекетлер арасында трансшегаралық суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы ҳаққындағы тартыслар мәмлекетлер аралық шәртнамаларда белгиленген тәртипте қаралады. 89-статья. Суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы ҳаққындағы тартысларды қарап шығыў Суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы ҳаққындағы тартыслар тәреплердиң бириниң арзасына муўапық көрип шығылады. Арзаға суўдан пайдаланыў ҳәм суўды тутыныў ҳуқықының бузылыўын дәлиллейтуғын ҳүжжетлер қосымша қылынады. 90-статья. Суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы ҳаққындағы тартысларды қарап шығыў тәртиби Суўдан пайдаланыў ҳәм тутыныў ҳаққындағы тартыслар мәпдар тәреплердиң қатнасыўында қаралады, олар тартысты шешиў ўақты ҳәм орны ҳаққында хабарланылады. 91-статья. Суўдан пайдаланыў ҳәм тутыныў ҳаққында тартыслар бойынша шешимлер Суўдан пайдаланыў ҳәм тутыныў ҳаққындағы тартысларды қарап шығыў нәтийжелери бойынша тартысты шешетуғын уйымлар шешим шығарады. Зәрүр жағдайларда шешимлерде оларды орынлаў тәртиби ҳәм мүддетлери, сондай-ақ бузылған ҳуқықты қайта тиклеў бойынша илажлар нәзерде тутылыўы мүмкин. 92-статья. Суўдан пайдаланыў ҳәм тутыныў ҳаққындағы тартыс бойынша шешимлер үстинен шағым етиў тәртиби Суўдан пайдаланыў ҳәм тутыныў ҳаққында тартыс бойынша шешимге байланыслы шағым тапсырылған күннен баслап он күн мүддет ишинде жоқары уйымға шағым етиўге болады. Тартыс бойынша шешимге байланыслы шағым оның орынланыўын иркип тасламайды. Суўдан пайдаланыў ҳәм тутыныў ҳаққында тартыс бойынша шешимниң орынланыўы шешимди шығарған уйым ямаса жоқары уйым тәрепинен иркип қойылыўы ямаса мүддети созылыўы мүмкин. 93-статья. Суўдан пайдаланыў менен байланыслы болған мүликлик тартысларды шешиў Суўдан пайдаланыў менен байланыслы болған мүликлик тартыслар нызамшылық пенен белгиленген тәртипте тийисли суд тәрепинен шешиледиXXIV БАП. СУЎДЫ ҲӘМ СУЎ ОБЪЕКТЛЕРИН ҚОРҒАЎ
94-статья. Суўларды қорғаўдың ўазыйпалары Барлық суўлар (суў объектлери) халықтың денсалаўлығына зыян келтиретуғын, сондай-ақ балық запасларының азайыўына, суў менен тәмийинлеў жағдайларының төменлеўине және суўлардың физикалық, химиялық ҳәм биологиялық сыпатларының өзгериўиниң, тәбийий тазаланыў уқыбының төменлеўиниң, суўлардың гидрогеологиялық ҳәм гидрологиялық режиминиң бузылыўының ақыбетинде басқа да қолайсыз қубылысларға алып келетуғын патасланыўдан қорғалыўы тийис. 95-статья. Суўды ҳәм суў объектлерин қорғаўды, сондай-ақ олардың жағдайын жақсылаўды тәмийинлейтуғын илажларды әмелге асырыў Жумысы суўлардың жағдайына тәсир жасайтуғын кәрханалар, мәкемелер экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша, аўыл ҳәм суў хожалығы, санитариялық бақлаў уйымлары ҳәм басқада мәпдар уйымлар менен келисилген технологиялық, тоғай-мелиоративлик, агротехникалық, гидротехникалық, санитариялық-техникалық илажларды әмелге асырыўы шәрт. (ҚР 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) 96-статья. Суўды ҳәм суў объектлерин қалдықлар ҳәм тасландылар менен патасланыўдан ҳәм ыласланыўдан қорғаў Кәрханаларға, шөлкемлерге, мәкемелерге ҳәм пуқараларға төмендегилер қадаған етиледи: суў объектлерине өндирислик, турмыслық ҳәм басқа да қалдықлар менен тасландыларды таслаў; майлардың, ағашлардың, химиялық, нефть ҳәм басқа да өнимлердиң төгип-шашылыўының ақыбетинде суўларды патаслаў ҳәм ыласлаў; жер үсти ҳәм жер асты суўларының сапасын төменлетип жиберетуғын суў ағызып жиберилетуғын тараўлардың, музлықтың, суў айдынларының бетин ҳәм қатқалақлардың бетин өндирислик қалдықлар, тасландылар ҳәм шығындылар менен, сондай-ақ нефть ҳәм химиялық өнимлер менен патаслаў ҳәм ыласлаў; суўларды төгинлер, зәҳәрли химиялық затлар ҳәм басқа да зыянлы затлар менен патаслаў; суў объектлерине патас суўларды ағызып жибериўге тек усы Нызамның 73 ҳәм 74 статьяларында нәзерде тутылған талаплар сақланған жағдайда ғана рухсат етиледи. (ҚР ЖК 27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 97-статья. Суў объектлериниң суўды қорғаў зоналары, жаға бойы аймақлары ҳәм санитариялық қорғаў зоналары Суў объектлериниң топырақ эрозиясы өнимлери менен патасланыўы, ыласланыўы, кемейиўи ҳәм батпақланыўының алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў, сондай-ақ қолайлы суў режимин сақлаў, пайдаланыў ҳәм оңлаў жумысларын алып барыў ушын қолайлы шәраят жаратыў мақсетинде нызамшылыққа тийкарланып суў объектлериниң суўды қорғаў зоналары ҳәм жаға бойы аймақлары белгиленеди. Халықтың ишимлик, турмыслық ҳәм емлеў-саламатландырыў мүтәжликлери ушын пайдаланылатуғын суўларды қорғаў мақсетинде нызамшылыққа муўапық суў объектлериниң санитариялық қорғаў зоналары белгиленеди. Суў объектлериниң ўазыйпасы, жайласқан орны ҳәм техниклық көрсеткишлеринен келип шыққан ҳалда суў объектлериниң суўды қорғаў зоналары, жаға бойы ҳәм санитариялық зоналарын қорғаўда хожалық ис жүритизиўиниң арнаўлы режими белгиленеди. Суў объектлериниң суўды қорғаў зоналары, жаға бойы аймақлары ҳәм санитариялық қорғаў зоналарын қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳәм шәртлери Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. 98-статья. Жер асты суўларын қорғаў Жер асты суўларын қазып шығарыў ҳәм пайдаланыў менен шуғылланатуғын уйымлар суў алыў участкасында ҳәм оған иргелес аймақта олардың режимин бақлап барыўға, сондай-ақ пайдаланатуғын суўлардың муғдарының ҳәм сапасының есабын жүргизиўге миннетли. Егер пайдалы қазылма байлықлардың кәнлерин излеўге, барлаўға ҳәм пайдаланыўға байланыслы бураўлаў ҳәм басқа да кән жумыслары жүргизилгенде жер асты суў горизонталлары табылса, онда бул ҳаққында экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша, аўыл ҳәм суў хожалығы уйымларына хабарланыўы ҳәм жер асты суўларын қорғаў бойынша белгиленген тәртипте илажлар көрилиўи зәрүр. Санаатлық патас суўларды ағызып жибериў ушын қазылатуғын қудықлар суўлы қатламларды патасландырыў дерегине айланыўы мүмкин болса, бундай қудықлар қазыў барлық жағдайларда қадаған етиледи. Өзи атлығып шыққан ҳәм пайдаланыўға жарамсыз қудықларды тәртиплестириўши үскенелер орнатылыўы, нызам менен белгиленген тәртипте консервацияланыўы ямаса сапластырылыўы тийис. Сапалы жер асты суўлары кәнлери зонасында қатты ҳәм суйық қалдықларды, тасландыларды топлаўшыларды орнатыўға, жер асты суўлары кәнлерин патаслайтуғын санаат, аўыл хожалық ҳәм басқа да объектлерди жайластырыўға жол қойылмайды. Жер асты суўларын қорғаў, соның ишинде қудықлардың бақлаў тармағын дүзиў бойынша илажлар жер асты суўларының жағдайына тәсир жасайтуғын кәрханалар тәрепинен әмелге асырылады. 99-статья. Киши дәрьяларды қорғаў Киши дәрьялардың жағдайыына ҳәм режимине жумысы менен унамсыз тәсир жасайтуғын кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, аўыл хожалығы кооперативлери (ширкетлер), фермер ҳәм дийхан хожалықлары аўыл ҳәм суў хожалығы, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша уйымлар менен биргеликте дәрьялардың суўлылығын, суўлардың тазалығын ҳәм сапасын сақлаў бойынша илажлар көриў тийис.XXV-БАП. СУЎЛАРДЫҢ ЗЫЯНЛЫ ТӘСИРИНИҢ АЛДЫН АЛЫЎ ҲӘМ ОНЫ САПЛАСТЫРЫЎ
100-статья. Суўлардың зыянлы тәсириниң алдын алыў ҳәм оны сапластырыў бойынша кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң миннетлери Кәрханалар, мекемелер ҳәм шөлкемлер экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, аўыл ҳәм суў хожалығы, геология ҳәм минерал ресурслар уйымлары, басқа да мәпдар уйымлар менен келисилген ҳалда ямаса оған ўәкилликли мәмлекетлик уйымларының жазба көрсетпеси бойынша: суў тасқынларының, басыўларының ҳәм жер астына суў кетиў жағдайларын қорғаўшы қашылардың ҳәм басқа да қурылыслардың ыдыраўының; жерлердиң батпақлыққа ҳәм кебирликке айланыўының; жерлердиң ыдыраўының, сайлардың пайда болыўының, селлердиң ҳәм басқа да зыянлы қубылыслардың алдын алыў ҳәм оны сапластырыў бойынша илажлар жүргизиўге миннетли. (ҚР 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) 101-статья. Суўлардың зыянлы тәсириниң ақыбетинде жүз берген тәбийий апатшылықлардың алдын алыў ҳәм оны сапластырыў бойынша қыстаўлы илажларды әмелге асырыў Суўлардың зыянлы тәсириниң ақыбетинде жүз берген тәбийий апатшылықлардың алдын алыў ҳәм оны сапластырыў бойынша қыстаўлы илажларды әмелге асырыў нызамшылық пенен тәртиплестиреди. Ҳәкимшилик район аймағында суў басқынлары ҳәм селлер өткенде авария жағдайларының алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша қыстаўлы илажларды әмелге асырыў нызамшылық пенен тәртиплестиреди. Суўлардың зыянлы тәсириниң ақыбетинде жүз беретуғын тәбийий апатшылықлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша жумысларға оператив басшылық етиў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, районлардың ҳәм қалалардың мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен зәрүрли жағдайларда суў тасқынына қарсы гүресиў бойынша ҳәм басқа да комиссиялар дүзиледи, олардың қурамына тийисли кәрханалардың мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ аўыл ҳәм суў хожалығы ҳәм экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша уйымлардың ўәкиллери киреди. 102-статья. Суўлардың зыянлы тәсиринен қорғаў, олардың алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша илажлар Суўлардың зыянлы тәсиринен қорғаў, олардың алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша илажлар суўдан пайдаланыўшылар, жергиликли бюджеттиң қажылары есабынан, республикалық ҳәм аймақлық бағдарламалар бойынша республикалық бюджет есабынан жүргизиледи. 103-статья. Суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, тутыныў ҳәм суўларды қорғаўды тәмийинлеўдиң экономикалық илажлары Суўлардан рационал пайдаланыў, тутыныў ҳәм қорғаўды тәминлеўдиң экономикалық илажлары: суў ресурсларынан пайдаланғанлығы, суўды жеткерип бериў бойынша хызметлер ҳәм көрсетилген басқа да хызметлер, суў объектлерин патаслағаны, суўдан арнаўлы пайдаланғаны, оларға зыянлы тәсир жасаўдың басқа да түрлери ушын ҳақы өндириўди; суўды үнемлеў технологияларды енгизгенде, суўды қорғаў ҳәм үнемлеўде нәтийжели болған жумысты әмелге асырғанда кәрханаларға, мәкемелерге ҳәм шөлкемлерге, сондай-ақ юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге және пуқараларға берилетуғын салық, кредит ҳәм басқа да жеңилликлерди; суўлардан комплексли ҳәм ақылға уғрас пайдаланғанда және қорғағанда ҳуқықый, экономикалық, шөлкемлестириўшилик, социаллық, экологиялық ҳәм басқа да хошаметлеўдиң нәтийжели илажлар системасын қолланыўды нәзерде тутады. мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң өз уставына муўапық нызамшылықта белгиленген тәртипте суўдан рационал пайдаланыў ҳәм қорғаў бойынша нәтийжели илажларды енгизиў және хошаметлеў мүмкин.XXVI БАП. СУЎДАН ПАЙДАЛАНЫЎДЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ЕСАБЫ ҲӘМ ЖОБАЛАСТЫРЫЎ
104-статья. Суўларды мәмлекетлик есапқа алыў ҳәм пайдаланыў ўазыйпалары Суўларды мәмлекетлик есапқа алыў ҳәм пайдаланыў ўазыйпасы бирден-бир суў қорын қурайтуғын суўлардың муғдарын ҳәм сапасын, халықтың ҳәм халық хожалығының мүтәжликлери ушын суўлардан пайдаланыў ҳаққындағы мағлыўматларды белгилеўден ибарат. 105-статья. Суўлардан пайдаланыў ҳәм қорғаўды жобаластырыў Суўлардан пайдаланыўды жобаластырыў халықтың ишимлик суўға болған ҳәм турмыс мүтәжликлерин биринши гезекте қанаатландырыўды есапқа алып, суўдан пайдаланыўшылар арасында суўларды илимий тийкарда бөлистириўди, олардың зыянлы тәсиринен қорғаўды ҳәм алдын алыўды тәмийинлеўи тийис. Суўлардан пайдаланыўды жобаластырғанда мәмлекетлик суў кадастрының мағлыўматлары, суў хожалығы баланслары, суўлардан комплексли пайдаланыў ҳәм қорғаў схемалары есапқа алынады. 106-статья. Мәмлекетлик суў кадастры Мәмлекетлик суў кадастрының муғдар ҳәм сапа көрсеткишлери суўларды есапқа алыў, суўдан пайдаланыўды дизимге алыў мағлыўматларын, сондай-ақ суўларды пайдаланыўды есапқа алыў мағлыўматларын өз ишине алады. 107-статья. Суў хожалығы баланслары Суўдың бар муғдарын ҳәм оннан пайдаланыў дәрежесин баҳалаў ушын дәрьялар бассейнлери, бассейн ирригация системалары ҳәм экономикалық аймақлар бойынша суў хожалығы баланслары дүзиледи. Суў хожалығы баланслары усы Нызамның 7-статьясы екинши бөлиминде нәзерде тутылған суўлардан пайдаланыўды тәртипке салыў саласында арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен олардың ўәкилликлери шеклеринде дүзиледи ҳәм Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги тәрепинен улыўмаластырылады. 108-статья. Суўлардан комплексли пайдаланыў ҳәм қорғаў схемалары Суўлардан комплексли пайдаланыў ҳәм қорғаўдың баслы хәм аймақлық схемалары халықтың ҳәм халық хожалығының суўға болған талапларын қанаатландырыў ушын, сондай-ақ суўларды қорғаў ҳәм зыянлы тәсириниң алдын алыў ушын әмелге асырылатуғын тийкарғы суў хожалығы ҳәм басқа да илажларды белгилейди. 109-статья. Суўлардың мәмлекетлик есабын жүргизиў ҳәм олардан пайдаланыў, мәмлекетлик суў кадастрын жүргизиў, суў хожалығы балансларын дүзиў ҳәм суўлардан комплексли пайдаланыў ҳәм қорғаў схемаларын ислеп шығыў тәртиби Суўларды мәмлекетлик есапқа алыў ҳәм олардан пайдаланыў, мәмлекетлик суў кадастрын жүргизиў, суў хожалығы балансларын ислеп шығыў, суўлардан пайдаланыўдың ҳәм қорғаўдың комплексли схемаларын ислеп шығыў жумыслары мәмлекетлик бюджет есабынан Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети белгилеп беретуғын тәртипте әмелге асырылады. 110-статья. Суў мониторинги Суўлардың, соның ишинде жер асты суўларының мониторинги өзгерислерди өз ўақтында анықлаў, оларды баҳалаў, унамсыз процесслердиң алдын алыў ҳәм сапластырыў ушын суўлардың жағдайын бақлаў системасынан ибарат. Суўлардың мониторингиниң структурасы, мазмуны ҳәм оны әмелге асырыў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усынысы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.XXVII БАП. СУЎ ҲАҚҚЫНДА НЫЗАМШЫЛЫҚТЫ БУЗҒАНЫ УШЫН ЖУЎАПКЕРШИЛИК
111-статья. Мәмлекеттиң суўға болған меншик ҳуқықын бузатуғын келисимлердиң ҳақыйқый емеслиги Суўдан пайдаланыў ҳуқықын басқаға бериў ҳәмде мәмлекеттиң суўға болған меншиклик ҳуқықын тиккелей ямаса жасырын түрде бузатуғын басқа да келисимлер ҳақыйқый деп есапланбайды. 112-статья. Суў ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ушын жуўапкершилик Суў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы болған шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады. 113-статья. Өз бетинше ийелеп алынған суў объектлерин қайтарыў Өз бетинше ийелеп алынған суў объектлери олардан нызамсыз пайдаланыў ўақтында сарпланған қәрежетлер қапланбаған ҳалда өз ийесине қайтарып бериледи.XXVIII БАП. СУЎ ҲАҚҚЫНДАҒЫ НЫЗАМШЫЛЫҚТЫ БУЗЫЎ АҚЫБЕТИНДЕ КЕЛТИРИЛГЕН ЗЫЯНЛАРДЫ ҚАПЛАЎ
114-статья. Суў ҳаққындағы нызамшылықты бузыў ақыбетинде келтирген зыянларды қаплаў Кәрханалар, мекемелер, шөлкемлер, аўыл хожалығы кооперативлери (ширкетлери), фермер ҳәм дийхан хожалықлары ҳәм пухаралар суў ҳаққындағы нызамшылықты бузып келтирген зыянларды белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте қаплаўы тийис. 115-статья. Зыян келтириўде айыплы болған лаўазымлы шахслардың ҳәм басқада хызметкерлердиң материаллық жуўапкершилиги Кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер тәрепинен зыян қәрежетлери төлениўинде айыпкер болған лаўазымлы шахслар ҳәм басқа да хызметкерлер белгиленген тәртипте материаллық жуўапкер болады.XXIX БАП. ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ШӘРТНАМАЛАР
116-статья. Халықаралық шәртнамалар Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларында усы Нызамда нәзерде тутылғанлардан басқаша режелер белгиленген болса, халықаралық шәртнама режелери қолланылады.