Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ӨСИМЛИКЛЕР ДYНЬЯСЫН ҚОРҒАЎ ҲӘМ ОННАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ ӨСИМЛИКЛЕР ДYНЬЯСЫН ҚОРҒАЎ ҲӘМ ОННАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакцияда) 04.09.2019-ж. № 268/XXVII

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген 16.12.2019-ж  282/XXIX-санлы ҚР Нызамы 30.06.2021-ж  152/XX-санлы ҚР Нызамы 30.11.2021-ж  180/XXIII-санлы ҚР Нызамы

I бап. Улыўма режелер

 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.  2-статья. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳәм басқа да нызам актлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.  3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады ботаника коллекциясы - илимий, мәдений-ағартыўшылық, оқыў-тәрбиялық ҳәм эстетикалық әҳмийетке ийе болған, жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер тиришилик ҳәрекети өнимлериниң системаластырылған топламы (гербарийлер, туқымлар) ҳәм жасалма жаратылған шараятларда (ботаника бағларында, дендрология бағларында, питомниклерде, плантацияларда ҳәм басқаларда) жетистирилетуғын жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер – мәденийлестирилмеген тереклер, путалықлар, шөп тәризлилер, папоротник тәризлилер, мох тәризлилер, суў өсимликлери, лишайниклер ҳәм замаррықлар; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң тиришилик ҳәрекети өнимлери - жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң тиришилик ҳәрекети нәтийжесинде пайда болатуғын тамырлар, пиязшалар, денелер, пақаллар, бөртик, қабықлар, жапырақлар, ғумшалар, гүллер, туқымлар, мийўелер, шербет (желим) ҳәм басқа өнимлер; өсимликлер дүньясы - Қарақалпақстан Республикасы аймағында тәбийий орталықта өсетуғын ямаса жасалма жаратылған шараятларда жетистирилетуғын барлық түрдеги жабайы өсимликлер жәмлемеси; өсимликлер дүньясын қорғаў - өсимликлер дүньясының жасаў жағдайы ушын қолайлы шараятларды тәмийинлеўге, оның жоқ етип жиберилиўиниң яки оған басқаша зыянлы тәсир көрсетилиўиниң алдын алыўға қаратылған ҳәрекет; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша биотехникалық илажлар - өсимликлер дүньясын сақлап қалыў, тиклеў, қайта көбейтиў ҳәм оннан мақсетке муўапық пайдаланыўға, оның өсетуғын орталығын сақлап қалыўға қаратылған, илимий тийкарланған илажлар жәмлемеси.  4-статья. Өсимликлер дүньясына болған меншиклик Өсимликлер дүньясы улыўма миллий байлық болып, оннан ақылға уғрас пайдаланыў тийис ҳәм ол мәмлекет тәрепинен қорғалады. Тәбийий орталықта жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер мәмлекет меншиги болып есапланады. Жасалма жаратылған шараятларда жетистирилетуғын жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер юридикалық яки физикалық шахстың меншиги болыўы мүмкин.  5-статья. Өсимликлер дүньясы объектлери Өсимликлер дүньясы объектлери төмендегилерден ибарат: жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң тиришилик ҳәрекети өнимлери; ботаника коллекциялары.  6-статья. Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар Юридикалық ҳәм физикалық шахслар өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар болыўы мүмкин. Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў барысында өзлерине тийисли болған ҳуқықты нызам ҳүжжетлеринде белгиленген шәртлерде ҳәм тәртипте әмелге асырады.

II бап. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласын тәртипке салыў

 7-статья. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик сиясатының тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат: өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик бағдарламаларды, сондай-ақ басқа илажларды ислеп шығыў ҳәмде әмелге асырыў; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы нормаларды мәмлекет тәрепинен белгилеў; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы илим-изертлеў жумысын раўажландырыў. өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў.  8-статья. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик басқарыў Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик басқарыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети,  Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы, сондай-ақ жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен олардың ўәкилликлери шеңберинде әмелге асырылады. 9-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында усы аймақтағы бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлейди; усы аймақта өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады, тастыйықлайды ҳәм әмелге асырады; мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы жумысын өз ўәкилликлери шеңберинде муўапықластырады; жергиликли әҳмийетке ийе қорғалатуғын тәбийий аймақларды шөлкемлестириў ҳаққындағы мәселелерди белгиленген тәртипте қарап шығады. тәбийий қамыслықларда ҳәм жайлаў орынларда пишен орыў ҳәм шарўа малларын отлатыў нормаларын тастыйықлайды; юридикалық ҳәм физикалық шахсларға өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын усы Нызамға муўапық рухсатнама береди; Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.  10-статья. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети: өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы аймақлық бағдарламаларды ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы норматив-ҳуқықый актлерди ислеп шығыўда қатнасады; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы режелерди, өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў нормалар ҳәмде нормативлерди ислеп шығыўда қатнасады; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады; өсимликлер дүньясы объектлериниң мәмлекетлик есабын ҳәм олардан пайдаланыў көлемлериниң есабын белгиленген тәртипте жүритиўде қатнасады; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер жетистирилетуғын питомниклер ҳәм плантациялардың есабын жүритеди; өсимликлер дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастрын жүритиўде қатнасады; Өзбекстан Республикасы Қызыл китабын жүритиўде қатнасады; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өткереди; юридикалық ҳәм физикалық шахсларға өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын усы Нызамға муўапық рухсатнама береди; бекитилген қорғалатуғын тәбийий аймақларда өсимлик дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша биотехникалық илажларды әмелге асырыўда қатнасады. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.  11-статья. Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетиниң өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети: өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы аймақлық бағдарламаларды ҳәм басқада бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы норматив-ҳуқықый актлерди ислеп шығыўда қатнасады; мәмлекетлик тоғай қоры жерлериндеги өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы режелерди, өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў нормалары ҳәмде нормативлерди ислеп шығыў ҳәм әмелге асырырыўда қатнасады; мәмлекетлик тоғай қоры жерлериндеги өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында ведомстволық қадағалаўды әмелге асырады; мәмлекетлик тоғай қоры жерлериндеги өсимликлер дүньясы объектлериниң мәмлекетлик есабын ҳәм олардан пайдаланыў көлемлериниң есабын белгиленген тәртипте жүритеди; Өзбекстан Республикасы Қызыл китабын жүритиўде қатнасады; юридикалық ҳәм физикалық шахсларға мәмлекетлик тоғай қоры жер майданларында өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын усы Нызамға муўапық рухсатнама бериўде қатнасады; мәмлекетлик тоғай қоры жерлериндеги өсимлик дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша биотехникалық илажларды әмелге асырады. Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.  12-статья. Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы: өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы аймақлық бағдарламаларды ҳәм басқада бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы норматив-ҳуқықый актлерди ислеп шығыўда қатнасады; өсимликлердиң сыртқы ҳәм ишки карантини бойынша мәмлекетлик илажлар системасын әмелге асырыўда қатнасады; өсимликлер дүньясында карантиндеги зыянлы организмлерге қарсы гүресиўге қаратылған илажларды белгилейди ҳәм олардың әмелге асырылыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады; өсимликлер дүньясында карантиндеги зыянлы организмлер тарқалыўының алдын алыў мақсетинде бақлаўларды әмелге асырады; өсимликлер карантини объектлерине қарсы гүресиўдиң нәтийжели ҳәм жаңа усыллары әмелге асырылыўын өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы ўәкилликли уйымлар менен биргеликте тәмийинлейди, олардың қолланылыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады; экономика тармақларына үлкен зыян жеткериўи мүмкин болған карантиндеги ҳәм басқа қәўипли зыянкеслердиң, өсимликлер кеселликлериниң ҳәм жабайы шөплердиң сырт еллерден кирип келиўинен Қарақалпақстан Республикасы аймағын қорғайды; келип шығыўы өсимликке тийисли болған аўыл хожалығы өнимлерин ҳәм басқа өнимлерди ислеп шығарыў, таярлаў, тасыў, сақлаў, қайта ислеў, реализациялаў ҳәм олардан пайдаланыўда белгиленген қағыйдаларға бойсынылыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўда ҳәм өсимликлер карантинин енгизиўде қатнасады; өсимликлер карантини объектлерине қарсы гүресиў бойынша қәнигелестирилген фумигация бөлимлерин дүзеди, қыйтақ жерлер, фермер ҳәм дийқан хожалықларына, тоғай хожалықларына, сондай-ақ басқа юридикалық ҳәм физикалық шахсларға өсимликлер карантини объектлерине қарсы гүресиўде хызметлер көрсетеди; (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) экспортқа шығарылып атырған ҳәм сырт еллерден алып кирилип атырған өсимликлер карантини астындағы өнимлерди ҳәм өсимликлер карантини объектлерин тасыўшыларды карантин тексериўинен ҳәмде лаборатория экспертизасынан өткереди. Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.  13-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы ўәкилликлери Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары: өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы аймақлық бағдарламаларды ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы тийисли аймақлық бағдарламаларды тастыйықлайды ҳәм әмелге асырады; тәбийий қамыслықларда ҳәм жайлаў орынларында пишен орыў ҳәм шарўа малларын отлатыў нормаларын ислеп шығыўда қатнасады; тийисли аймақта өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады; юридикалық ҳәм физикалық шахсларға өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын усы Нызамға муўапық рухсатнама бериўде қатнасады; алып тасланды. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) жергиликли әҳмийетке ийе қорғалатуғын тәбийий аймақларды шөлкемлестириў ҳаққындағы мәселелерди белгиленген тәртипте қарап шығады. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқада ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.  14-статья. Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеўде қатнасыўы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими: өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады; өсимликлер дүньясы объектлериниң мәмлекетлик есабын ҳәм олардан пайдаланыў көлемлериниң есабын белгиленген тәртипте жүритиўде қатнасады; Қарақалпақстан Республикасы аймағында өсимликлер дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастры ҳәм Өзбекстан Республикасы Қызыл китабы жүритилиўин илимий тәрептен тәмийинлеўди әмелге асырыўда қатнасады; усы Нызамда нәзерде тутылған жағдайларда өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында жуўмақлар береди; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы белгиленген илимий бағдарларды ҳәмде ислеп шығылған илим изертлеў бағдарламаларын әмелге асырыўда қатнасады. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими нызамшылыққа муўапық өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланылыўды тәмийинлеў бойынша басқа да илажларда қатнасыўы мүмкин.  15-статья. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ҳәм пуқаралардың өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеўде қатнасыўы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм пуқаралар: өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳәм басқа бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасады; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырады. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм пуқаралар нызамшылыққа муўапық өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша басқа да илажларда қатнасыўы мүмкин.

III бап. Өсимликлер дүньясын қорғаў

 16-статья. Өсимликлер дүньясын қорғаўға байланыслы илажлар Өсимликлер дүньясын қорғаў: өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы қағыйдалар, өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў нормалары ҳәм нормативлерди белгилеў; өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўда шеклеўлер ҳәм қадаған етиўди белгилеў; өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықын тоқтатып турыў, сапластырыў, бийкар етиў; өсимликлер дүньясы объектлеринен өзбасымшалық пенен пайдаланыўдың ҳәм олардан пайдаланыў барысында белгиленген тәртиптиң басқа да тәризде бузылыўларының алдын алыў; өсимликлер дүньясы өсетуғын орталықтың қорғалыўын шөлкемлестириў; Қарақалпақстан Республикасы аймағында сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер түрлерин Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизиў; сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер түрлериниң саны кемейип кетиўине ямаса олардың өсетуғын орталығы бузылыўына алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлерге (ҳәрекетсизликке) жол қоймаў; хожалық жумысын ҳәм басқа да жумысты әмелге асырыў ўақтында өсимликлер дүньясына зыянлы тәсир көрсетилиўиниң яки оның жоқ етип жиберилиўиниң алдын алыў; қорғалатуғын тәбийий аймақларды шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў; ботаника бағларын ҳәм дендрология бағларын шөлкемлестириў; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди жасалма жаратылған шараятларда жетистириў; өсимликлер дүньясын қорғаў, карантиндеги ҳәм басқа қәўипли зыянкеслерди, өсимликлер кеселликлерин ҳәм жабайы шөплерди өз ўақтында анықлаў ҳәм жоқ етиў бойынша карантин илажларын өткериў; өсимликлер дүньясы объектлерин мәмлекет есабына алыў ҳәм олардан пайдаланыў көлемлерин есапқа алыў; өсимликлер дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастрын жүритиўде қатнасыў ҳәм өсимликлер дүньясы мониторингин әмелге асырыў; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында қадағалаўды әмелге асырыў; өсимликлер дүньясы объектлерин сырт еллерден алып кириў ҳәм сырт еллерге алып шығыўды тәртипке салыў; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында илимий изертлеўлерди шөлкемлестириў ҳәм өткериў; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик экологиялық экспертизасын өткериў; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша биотехникалық ҳәм басқа илажлар өткериў жолы менен әмелге асырылады.  17-статья. Өсимликлер дүньясы объектлерин мәмлекет есабына алыў ҳәм олардан пайдаланыў көлемлерин есапқа алыў, өсимликлер дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастры Өсимликлер дүньясының қорғалыўын ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланылыўын тәмийинлеў ушын өсимликлер дүньясы объектлерин мәмлекет есабына алыў ҳәмде олардан пайдаланыў көлемлерин есапқа алыў әмелге асырылады. Өсимликлер дүньясы объектлериниң мәмлекетлик есабын ҳәм олардан пайдаланыў көлемлериниң есабын жүритиўши министрликлер, ведомстволар ҳәм шөлкемлер өсимликлер дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастры бойынша зәрүр мағлыўматты Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетине төлемсиз усынады. Өсимликлер дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастры бойынша зәрүр мағлыўматтың түрлери, көлемлери ҳәм оны усыныў мүддетлери Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен белгиленеди. Өсимликлер дүньясының қорғалыўын ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланылыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте өсимликлер дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастрын жүритиўде қатнасады. Өсимликлер дүньясы  объектлериниң мәмлекетлик есабын ҳәм олардан пайдаланыў көлемлериниң есабын, өсимликлер дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастрын жүритиў мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәмде нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дереклер есабынан әмелге асырылады. Өсимликлер дүньясы объектлериниң мәмлекетлик есабын ҳәм олардан пайдаланыў көлемлериниң есабын, өсимликлер дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастрын жүритиў тәртиби тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен тастыйықланады.  18-статья. Сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўипи астында турған жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер түрлерин қорғаў Сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўипи астында турған жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер түрлери Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киритиледи. Сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўипи астында турған жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер түрлериниң саны кемейип кетиўине ямаса олардың өсетуғын орталығы бузылыўына алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлерге (ҳәрекетсизликке) жол қойылмайды.  19-статья. Ботаника бағлары Өсимликлер дүньясын ҳәм оның генетикалық қорын сақлап қалыў, аз санлы ҳәм жоғалып кетиў қәўпи астында турған жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң түрлерин жасалма жаратылған шараятларда үйрениў, ықлымға бийимлестириў ҳәм қайта көбейтиў, илимий, оқыў ҳәм билимлендириў ислерин алып барыў, өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша билимлерди үгит-нәсиятлаў мақсетинде ботаника бағлары шөлкемлестирилиўи мүмкин. Ботаника бағлары тийислисинше тийисли мәмлекетлик уйымлардың қарары ямаса жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарары менен шөлкемлестирилетуғын улыўма мәмлекетлик әҳмийетке ийе ботаника бағлары ҳәм жергиликли әҳмийетке ийе ботаника бағларына бөлинеди. Ботаника бағлары аймағында усы бағларды шөлкемлестириў мақсетлерине муўапық болмаған ҳәм өсимликлер дүньясының сақланып қалыўына қәўип салыўшы жумыс қадаған етиледи.  20-статья. Дендрология бағлары Жасалма жаратылған шараятларда өсимликлердиң ҳәр қыйлы түрлерин сақлап қалыў ҳәм оларды үйрениў, олардан мәдений-ағартыўшылық, оқыў-тәрбиялық, рекреациялық ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыў бойынша илимий жумыс жүргизиў ушын дендрология бағлары шөлкемлестирилиўи мүмкин. Дендрология бағлары тийислисинше тийисли мәмлекетлик уйымлардың қарары яки жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарары менен шөлкемлестирилетуғын мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған дендрология бағлары ҳәмде жергиликли әҳмийетке ийе дендрология бағларына бөлинеди. Дендрология бағлары аймағында усы бағларды шөлкемлестириў мақсетлерине муўапық болмаған ҳәм өсимликлер дүньясының сақланып қалыўына қәўип салыўшы жумыс қадаған етиледи.  21-статья. Өсимликлер дүньясын қайта көбейтиў Өсимликлер дүньясын қайта көбейтиў жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер түрлериниң тәбийий орталықта өсиўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў яки оларды жасалма жаратылған шараятларда жетистириў мақсетинде әмелге асырылады. Өсимликлер дүньясын қайта көбейтиў өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар тәрепинен төмендегилер арқалы тәмийинленеди: өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша биотехникалық илажлар өткериў; өсимликлер дүньясының тәбийий рәўиште қайта көбейиўи ҳәм тиклениўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында илимий изертлеўлер өткериў; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер түрлерин жасалма жаратылған шараятларда жетистириў ҳәм оларды егиў. Өсимликлер дүньясын қайта көбейтиў нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа жоллар менен де тәмийинлениўи мүмкин.  22-статья. Өсимликлер дүньясы өсетуғын орталықты қорғаў Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың өсимликлер дүньясы өсетуғын орталыққа тәсир көрсететуғын искерлиги өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыўға тийисли талапларға бойсынған ҳалда әмелге асырылыўы тийис. Өсимликлер дүньясы өсетуғын орталыққа унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин болған өндирислик объектлерди жайластырыў ҳәм олардан пайдаланыў, жаңа технологияларды енгизиў, геологиялық-изертлеў жумысларын өткериў, пайдалы қазылмаларды қазып алыў, шарўа маллар отлатылатуғын ҳәм аўыл хожалық ҳайўанлары жайылатуғын орынларды белгилеў тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети менен келисип алыныўы тийис. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыўға тийисли болған талапларға жуўап бермейтуғын өндирислик объектлерди иске түсириў ҳәм технологияларды қолланыў қадаған етиледи. Өсимликлерди қорғаў қуралларын, олардың өсиў стимуляторларын, минерал төгинлерди ҳәм басқа препаратларды қолланыў ўақтында өсимликлер дүньясы өсетуғын орталығын қорғаўға тийисли талаплар есапқа алыныўы керек. Өсимликлер дүньясы өсетуғын орталық жаманласыўының алдын алыў мақсетинде юридикалық ҳәм физикалық шахслар усы препаратларды тасыў, сақлаў ҳәм қолланыў қағыйдаларына бойсыныўы шәрт. Өсимликлерди олар өсетуғын орталықта өзбасымшалық пенен жоқ етип жибериў, сондай-ақ жағып жибериў қадаған етиледи. 23-статья. Өсимликлер дүньясы объектлерин алып кириў ҳәм алып шығыў Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди, сондай-ақ олардың бөлеклерин, тиришилик ҳәрекети өнимлерин ҳәм ботаника коллекцияларын сырт еллерден алып кириў, сырт еллерге алып шығыў экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары беретуғын рухсатнамалар тийкарында, тийисли мәмлекетлик уйымлар  тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Сырт еллерден нызамсыз рәўиште алып кириўге ямаса сырт еллерге нызамға қарсы рәўиште алып шығыўға урыныў барысында услап қалынған жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер, сондай-ақ, олардың бөлеклери, тиришилик ҳәрекети өнимлери ҳәм ботаника коллекциялары тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен белгиленген тәртипте алып қойылыўы тийис. 24-статья. Өсимликлер дүньясы мониторинги Өсимликлер дүньясы мониторинги Қоршаған тәбийий орталық мәмлекетлик мониторингиниң структуралық бөлеги болып, өсимликлер дүньясы ҳәм олар өсиў орталығы жағдайын арнаўлы шөлкемлестирилген турақлы бақлаўларынан, ондағы өзгерислерди анықлаў, оны баҳалаў ҳәмде болжаўдан ибарат. Өсимликлер дүньясы мониторинги тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады.  25-статья. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы қадағалаў Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы қадағалаў мәмлекетлик, ведомстволық, өндирислик ҳәмде жәмийетлик қадағалаў формасында әмелге асырылады. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен әмелге асырылады. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы қадағалаў тоғай қоры жерлеринде Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети тәрепинен, мәмлекетлик басқарыў уйымларына қараслы шөлкемлерде, сондай-ақ, хожалық басқарыў уйымлары қурамына кириўши шөлкемлерде мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары тәрепинен әмелге асырылады. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы өндирислик қадағалаў хожалық жүритиўши субъектлер тәрепинен оларға бекитилген аймақларда әмелге асырылады. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы жәмийетлик қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы пуқаралары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин. (ҚР ЖК 16.12.2019-ж. 282/XXIX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди.  26-статья. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды хошаметлеў Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды, сондай-ақ, ол өсетуғын орталықтың қорғалыўын ҳәм жағдайы жақсыланыўын тәмийинлеп атырған юридикалық ҳәм физикалық шахсларға нызамшылыққа муўапық жеңилликлер берилиўи мүмкин.

IV бап. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыўға тийисли талаплар

27-статья. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыўға тийисли тийкарғы талаплар Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыўға тийисли тийкарғы талаплар төмендегилерден ибарат: өсимликлер дүньясының түр бойынша ҳәр қыйлылығын ҳәм генетикалық қорын тәбийий шараятларда сақлап қалыў; өсимликлер дүньясы өсетуғын орталықты сақлап қалыў; өсимликлер дүньясынан ақылға уғрас пайдаланыў, оны тиклеў ҳәм қайта көбейтиў; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң тарқалыўын ҳәм санын тәртипке салыў.  28-статья. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша биотехникалық илажларды келисип алыў Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар тәрепинен ислеп шығылатуғын ҳәмде тастыйықланатуғын өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша биотехникалық илажлар экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары менен келисип алыныўы тийис.  29-статья. Өсимликлер дүньясының жағдайына тәсир көрсететуғын ҳәрекетке тийисли талаплар Өсимликлер дүньясының жағдайына тәсир көрсететуғын ҳәрекет өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыўға тийисли талапларға бойсынған ҳалда әмелге асырылыўы керек.  30-статья. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өткериў Төмендегилер мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткерилиўи тийис: барлық түрдеги қурылыслар ушын жер участкаларын таңлаў материаллары, әмелге асырылыўы өсимликлер дүньясының жағдайына ямаса оның өсетуғын орталығына зыянлы тәсир көрсетиўи мүмкин болған режеден алдыңғы, жойбардан алдыңғы ҳәм жойбар ҳүжжетлери; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди басқа орынға көшириў ҳәм гибридлеў ислерине тийисли жойбарлар; өсимликлерди қорғаў қураллары, олардың өсиў стимуляторлары, минерал төгинлер ҳәм басқа препаратлар. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик экологиялық экспертизасы экологиялық экспертиза ҳаққындағы нызамшылықта белгиленген тәртипте өткериледи.

 V бап. Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў. Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў түрлери

 31-статья. Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў улыўма ҳәм арнаўлы пайдаланыў тәртибинде әмелге асырылады. Өсимликлер дүньясы объектлеринен улыўма пайдаланыў физикалық шахслар тәрепинен бийпул, турмыслық зәрүрликлерди қанаатландырыў ушын шекленген көлемлерде усы нызамның 34-статьясы биринши бөлиминиң бесиншиалтыншы, жетинши ҳәм оныншы абзацларында нәзерде тутылған өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў түрлери бойынша әмелге асырылады. Өсимликлер дүньясы объектлеринен улыўма пайдаланыў нормалары ҳәм тәртиби экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары менен келисилген ҳалда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен белгиленеди. Өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў рухсатнамалар тийкарында төлем төлеў есабынан әмелге асырылады. Өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын рухсатнама усы Нызамда белгиленген тәртипте, тастыйықланған квоталар шеңберинде бериледи. Өсимликлер дүньясы объектлери турақлы яки ўақытынша (узақ мүддетли ҳәм қысқа мүддетли) пайдаланыўға берилиўи мүмкин.  32-статья. Сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер түрлерин тәбийий орталықтан ажыратып алыў Сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер түрлерин тәбийий орталықтан ажыратып алыўға Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими жуўмағы инабатқа алынған ҳалда тийисли мәмлекетлик уйымның қарары тийкарында берилетуғын рухсатнама бойынша жол қойылады.  33-статья. Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылардың ҳуқықлары ҳәм миннетлери Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар: өсимликлер дүньясы объектлеринен өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық пайдаланыў; өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў барысындағы бузылған ҳуқықларының тиклениўи ҳәм өзлерине жеткерилген зыянның орны қапланыўы; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерге ҳәм олардың жасаў ҳәрекети өнимлерине байланыслы меншик ҳуқықына ийе. Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар: өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў тараўында белгиленген қағыйдаларға, өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў нормалары ҳәм нормативлерге бойсыныўы; пайдаланыўға берип қойылған өсимликлер дүньясы объектлеринен ақылға уғрас пайдаланыўы; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм қайта көбейтиў бойынша илажларды әмелге асырыўы, сондай-ақ, бекитилген аймақларда өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласында ведомстволық ҳәм (ямаса) өндирислик қадағалаўды әмелге асырыўы; өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў орынларында өрт қәўипсизлигине әмел етиўи ҳәм өртке қарсы илажларды әмелге асырыўы, өртлер шыққан жағдайда оларды өшириў илажларын көриўи; өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланғаны ушын төлемниң өз ўақтында төлеўи; карантиндеги ҳәм басқа қәўипли зыянкеслерди, өсимликлер кеселликлерин ҳәм жабайы шөплерди өз ўақтында анықлаў мақсетинде өсимликлер дүньясы жағдайы үстинен турақлы рәўиште бақлаў өткериўи, олар анықланғанда табылған дереклерди сапластырыў илажларын көриўи; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша биотехникалық илажларды әмелге асырыўы; басқа өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылардың ҳуқықларын бузбаўы; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларын бузған жағдайда келтирилген зыянның орнын толық көлемде қаплаўы шәрт. Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы ҳәм олардың жуўапкершилигинде басқа миннетлер де болыўы мүмкин.  34-статья. Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў түрлери Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў түрлери төмендегилерден ибарат: жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди шарўашылық зәрүрликлери ушын таярлаў; шарўа малларын отлатыў; өсимликлер дүньясы объектлеринен аңшылық ҳәм (ямаса) балық аўлаў хожалығы зәрүрлиги ушын пайдаланыў; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң техникалық шийки затын жыйнаў ҳәм таярлаў; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерден дәрилик шийки затын жыйнаў ҳәм таярлаў; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди азық-аўқатлық мақсетлер ушын жыйнаў ҳәм таярлаў; тереклер ҳәм путалықларды кесиў; өсимликлер дүньясы объектлеринен илимий ҳәм қадағалаў жумысларын өткериў ушын пайдаланыў; өсимликлер дүньясы объектлеринен мәдений-ағартыўшылық, оқыў-тәрбиялық, саламатландырыў, рекреация ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыў; өсимликлер дүньясы объектлеринен тәбиятты қорғаў мақсетлеринде пайдаланыў; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң айырым түрлериниң тарқалыўын ҳәм санын тәртипке салыў; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди басқа орынларға көшириў ҳәм гибридлеў; ботаника коллекцияларын жаратыў ҳәм толықтырып барыў. Нызам ҳүжжетлеринде өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўдың басқа да түрлери нәзерде тутылыўы мүмкин.  35-статья. Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди шарўашылық зәрүрликлери ушын таярлаў ҳәм шарўа малларын отлатыў Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар тәрепинен жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди шарўашылық зәрүрликлери ушын таярлаў ҳәм шарўа малларын отлатыў усы мақсетлер ушын оларға арнаўлы берип қойылған тәбийий қамыслық ҳәм жайлаў орынларда әмелге асырылады. Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди шарўашылық зәрүрликлери ушын таярлаўға ҳәм шарўа малларын отлатыўға: мәмлекетлик тоғай қорының тәбийий қамыслық ҳәм жайлаў орынларында - тоғай билетлери бойынша; жер ийелериниң, жерден пайдаланыўшылардың, ижарашылардың ҳәм жер участкалары ийелериниң жер участкаларында - олардың келисими бойынша; елатлы пунктлердиң (қалалардың, поселкалардың ҳәм аўыллық елатлы пунктлериниң) жерлеринде ҳәм аўысық (резерв) жерлерде - Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң қарары тийкарында жол қойылады. (ҚР 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкарында өзгерис киргизилген) 36-статья. Өсимликлер дүньясы объектлеринен аңшылық ҳәм (ямаса) балық аўлаў хожалығы зәрүрликлери ушын пайдаланыў Юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен өсимликлер дүньясы объектлеринен аңшылық ҳәм (ямаса) балық аўлаў хожалығы зәрүрликлери ушын пайдаланыў оларға бириктирилген аңшылық етиў ҳәм (ямаса) балық аўлаў орынларында өсимликлер дүньясы объектлерин олар өсетуғын орталықтан ажыратып алмаған, өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыўға байланыслы талапларға бойсынған ҳалда әмелге асырылады. 37-статья. Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң техникалық ҳәм дәрилик шийкизатын, азық-аўқат мақсетлери ушын жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди жыйнаў ҳәм таярлаў Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң техникалық ҳәм дәрилик шийки затын, азық-аўқат мақсетлери ушын жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди физикалық шахслар тәрепинен жеке пайдаланыў ушын жыйнаў ҳәм таярлаўға улыўма пайдаланыў тәртибинде жол қойылады. Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң техникалық ҳәм дәрилик шийки затын, азық-аўқат мақсетлери ушын жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар тәрепинен жыйнаў ҳәм таярлаўға өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықын бериўши рухсатнамалар тийкарында жол қойылады. Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң техникалық ҳәм дәрилик шийки затын, азық-аўқат мақсетлери ушын жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди жыйнаў ҳәм таярлаў тәртиби, бундай пайдаланыў ушын қадаған етилген жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер түрлериниң, соның ишинде Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киритилген сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер түрлериниң дизими тийисли мәмлекетлик уйым тәрепинен белгиленеди.  38-статья. Тереклер ҳәм путалықларды кесиў Мәмлекетлик тоғай фонды жерлериндеги тереклер ҳәм путалықларды кесиў тоғайды тәрбиялаў ушын кесиў қағыйдаларына муўапық, тоғайлардың қорғалыў категориялары есапқа алынған ҳалда берилген тоғай билетлери (талон) бойынша әмелге асырылады. Мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын тереклер ҳәм путалықларды кесиўге тек санитария мақсетлеринде кесиў ҳәм имаратларды, қурылмаларды ҳәм коммуникацияларды қурыў ҳәм реконструкциялаў менен байланыслы ҳалда кесиў тәртибинде, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары менен келисилген қарарына тийкарланып жол қойылады. Тәбийий факторлар яки өсимликлер зыянкеслери, кеселликлери тәсиринде зыянланған, қурып атырған ямаса қурып қалған, сондай-ақ инсанның өмири ҳәм денсаўлығы, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мал-мүлки қәўипсизлигине қәўип салып атырған тереклер ҳәм путалықларды кесиў жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары менен келисилген қарарына тийкарланып бийпул әмелге асырылады.  39-статья. Өсимликлер дүньясы объектлеринен илимий ҳәм қадағалаў жумысларын өткериў ушын пайдаланыў Өсимликлер дүньясы объектлеринен илимий ҳәм қадағалаў жумысларын өткериў ушын пайдаланыўға жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди олардың өсетуғын орталығынан ажыратып алмаған яки ажыратып алған ҳалда жол қойылады. Илимий ҳәм қадағалаў жумысларын өткериў ушын өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўшыға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте арнаўлы жер участкалары ажыратылыўы мүмкин, бул жер участкаларында өсимликлер дүньясы объектлеринен басқа юридикалық ҳәм физикалық шахслардың пайдаланыўы, егер бул илимий ҳәм қадағалаў жумысларын өткериў мақсетлерине муўапық болмаса, шекленеди ямаса қадаған етиледи. Өсимликлер дүньясы объектлеринен илимий ҳәм қадағалаў  ислерин өткериў ушын пайдаланыўға тийисли мәмлекетлик уйым тәрепинен белгиленген тәртипте жол қойылады.  40-статья. Өсимликлер дүньясы объектлеринен мәдений-ағартыўшылық, оқыў-тәрбиялық, саламатландырыў, рекреация ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыў Өсимликлер дүньясы объектлеринен мәдений-ағартыўшылық, оқыў-тәрбиялық, саламатландырыў, рекреация ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыўға жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди олардың өсетуғын орталығынан ажыратып алмаған ямаса ажыратып алған ҳалда жол қойылады. Экологиялық, илимий, мәдений ҳәм эстетикалық жақтан әҳмийетли, сондай-ақ шыпалы ҳәм саламатландырыў қәсийетине ийе болған өсимликлер дүньясы объектлеринен мәдений-ағартыўшылық, оқыў-тәрбиялық, саламатландырыў, рекреация ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыўға жол қойылады. Өсимликлер дүньясы объектлеринен мәдений-ағартыўшылық, оқыў-тәрбиялық, саламатландырыў, рекреация ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыў тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады.  41-статья. Өсимликлер дүньясы объектлеринен тәбиятты қорғаў мақсетлеринде пайдаланыў Өсимликлер дүньясы объектлеринен тәбиятты қорғаў мақсетлеринде пайдаланыўға өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў бойынша усы Нызамда нәзерде тутылған талапларға әмел қылған ҳалда жол қойылады.  42-статья. Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң айырым түрлериниң тарқалыўын ҳәм санын тәртипке салыў Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң айырым түрлериниң (сүрилетуғын жерлер, қамыслықлар ҳәм жайлаўларды тәбийий рәўиште басып кететуғын зәҳәрли, қурамында наркотик сақлаўшы, карантиндеги өсимликлер, жабайы шөплер ҳәм басқа өсимликлердиң) тарқалыўын ҳәм санын тәртипке салыў жабайы ҳалда өсиўши басқа өсимликлерге, олардың өсетуғын орталығына ҳәм өзге тәбиятты қорғаў объектлерине зыян келтирилиўине жол қоймайтуғын усыллар менен әмелге асырылады. Тарқалыўы ҳәм саны тәртипке салыныўы тийис болған жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң айырым түрлери, сондай-ақ усы тәртипке салыў қағыйдалары Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң жуўмақлары инабатқа алынған жағдайда Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети тәрепинен белгиленеди. 43-статья. Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди басқа орынларға көшириў ҳәм гибридлеў Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди басқа орынларға көшириўге, сондай-ақ оларды гибридлеўге белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң, Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетиниң жуўмақлары инабатқа алынған ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң қарарына тийкарланып илимий ҳәм хожалық мақсетлеринде жол қойылады.  44-статья. Ботаника коллекцияларын жаратыў ҳәм толықтырып барыў Юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен ботаника коллекцияларын жаратыў ҳәм толықтырып барыўға Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен берилетуғын рухсатнамалар бойынша жол қойылады. Илимий, мәдений-ағартыўшылық, оқыў-тәрбиялық ямаса эстетикалық әҳмийетке ийе ботаника коллекциялары мәмлекет есабына алыныўы тийис. Ботаника коллекцияларының мәмлекет есабына қойылғанлығы туўралы гуўалық тийисли мәмлекетлик уйым тәрепинен бериледи. Ботаника коллекцияларын жаратыўшы ҳәм толықтырып барыўшы юридикалық ҳәм физикалық шахслар тийисли мәмлекетлик уйым тәрепинен тастыйықланған ботаника коллекцияларын есапқа алыў, толықтырып барыў, сондай-ақ сырт мәмлекетлерден алып кириў ҳәм сырт мәмлекетлерге алып шығыў қағыйдаларына бойсыныўы шәрт.  45-статья. Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў нормалары ҳәм нормативлери Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыў нормалары ҳәм нормативлери төмендегилерден ибарат: жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң техникалық ҳәм дәрилик шийки затын, азық-аўқат мақсетлери ушын жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди жыйнаў ҳәм таярлаў ушын Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң жуўмағы инабатқа алынған ҳалда Қарақалпакстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети тәрепинен тастыйықланған квоталар; тәбийий қамыслықларда ҳәм жайлаў орынларда пишен орыў ҳәм шарўа малларын отлатыўдың жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары тәрепинен нызам ҳүжжетлерине муўапық тастыйықланған нормалары. Нызам ҳүжжетлеринде өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўының басқа нормалары ҳәм нормативлери де белгилениўи мүмкин.  46-статья. Өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын рухсатнама бериў тәртиби Өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын рухсатнама: мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын жерлердеги Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизилмеген жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң барлық түрлери бойынша, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизилген жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң сийрек ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған түрлери бойынша - тийисли мәмлекетлик уйым тәрепинен;  (ҚР ЖК 30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) мәмлекетлик тоғай қоры жерлериндеги Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизилмеген жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң барлық түрлери бойынша - тийисли мәмлекетлик уйым тәрепинен; мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын жерлердеги тереклер ҳәм путалықларды кесиў ушын тәбиятты қорғаў уйымлары менен келисилген ҳалда – жергиликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен бериледи;  алып тасланды. (ҚР ЖК 30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди шарўашылық мүтәжликлери ушын таярлаў ҳәм шарўа малларын отлатыў ушын - Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен бериледи. (ҚР ЖК 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Ағаш алыў ҳәм мийўелер жетистириў ушын арнаўлы егилген, юридикалық ямаса физикалық шахстың меншиги болған тереклер ҳәм путалықларды (тереклер ҳәм басқа тез өсетуғын түрлер, тутзарлықлар, мийўели тереклер ҳәм путалықлар) кесиў ушын рухсатнама талап етилмейди. 47-статья. Өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўды шеклеў ҳәм қадаған етиў Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң айырым түрлерин қорғаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети усы өсимликлер түрлеринен пайдаланыўға ямаса пайдаланыўдың айырым түрлерине қарап Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң жуўмақларын инабатқа алған ҳалда шеклеўлер ямаса қадаған етиўлер белгилеўи мүмкин. Өсимликлер дүньясын қорғаў мәплерин гөзлеп, жер ийелериниң, жерден пайдаланыўшылардың, жер участкалары ижарашылары ҳәм меншик ийелериниң, сондай-ақ тоғайлардан ҳәм де суўдан пайдаланыўшылардың, суў тутыныўшыларының ҳәм жер астынан пайдаланыўшылардың ҳуқықлары нызамшылықта белгиленген тәртипте шеклениўи ҳәм олардың жуўапкершилигине тийисли миннетлемелер жүклениўи мүмкин.  48-статья. Өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықын тоқтатып турыў, шеклеў ҳәм бийкар етиў Өсимликлер дүньясы қорғалыўын тәмийинлеў ушын өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы тоқтатып турылыўы, сапластырылыўы ямаса бийкар етилиўи мүмкин. Өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы төмендеги ҳалларда тоқтатып турылыўы мүмкин: рухсат бериўге байланыслы талаплар ҳәм шәртлер бузылғанлығы анықланғанда; арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымның анықланған қағыйда бузыўшылықларды сапластырыў ҳаққындағы қарары өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўшылар тәрепинен орынланбағанда. Өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы төмендеги жағдайларда тоқтатылады: пайдаланыў зәрүрлиги қалмағанда ямаса оннан ўаз кешилгенде; пайдаланыўдың белгиленген мүддети өткенде; өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылғанда; өсимликлер дүньясының жасаў жағдайы ушын қайтарып болмайтуғын өзгерислер ҳәм шараятлардың төменлеў қәўпи жүзеге келгенде, өсимликлер дүньясы жоқ етип жиберилгенде ямаса оған басқа зыянлы тәсир көрсетилгенде; жер участкалары мәмлекетлик ямаса жәмийетлик зәрүрликлер ушын алып қойылғанда; пайдаланыў ҳуқықы берилген физикалық шахс қайтыс болғанда емес оның жумысы тоқтатылғанда ямаса юридикалық шахс сапластырылғанда. Нызам ҳүжжетлеринде өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықын тоқтатып турыў ямаса сапластырыў ушын басқа жағдайларда да нәзерде тутылыўы мүмкин. Өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы төмендеги жағдайларда бийкар етилиўи мүмкин: өсимликлер дүньясы объектлеринен пайдаланыўшының рухсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетти бийкар етиў ҳаққындағы арзасына муўапық; рухсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжет қәлбеки ҳүжжетлерден пайдаланған ҳалда алынғанлығы факты анықланғанда. Өсимликлер дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ҳуқықы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте тоқтатып турылады, сапластырылады ямаса бийкар етиледи.  49-статья. Нызамсыз рәўиште жыйналған ҳәм таярланған өсимликлер дүньясы объектлерин алып қойыў Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузған ҳалда жыйналған ҳәм таярланған жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер ҳәм олардың жасаў ҳәрекети өнимлери, сондай-ақ жаратылған ҳәм толықтырылған ботаника коллекциялары алып қойылыўы тийис, оларды алып қойыў имканияты болмаған жағдайда олардың баҳасы айыплы шахслардан нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған муғдарда ҳәм тәртипте өндириледи.

 VI бап. Жуўмақлаўшы режелер

 50-статья. Зыянның орнын қаплаў Юридикалық ҳәм физикалық шахслар өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыўы себепли, келтирилген зыянның орнын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қаплаўы шәрт. Зыянның орнын қаплаў айыплы шахсларды нызамға муўапық жуўапкершиликтен азат етпейди.  51-статья. Тартысларды шешиў Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў саласындағы тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шешиледи.  52-статья. Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.