ҚОРҒАЛАТУҒЫН ТӘБИЙҒЫЙ АЙМАҚЛАР ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 29.08.2005-ж. №47/III
ҚОРҒАЛАТУҒЫН ТӘБИЙҒЫЙ АЙМАҚЛАР ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамы 30.06.2021-ж. 152/ XX-санлы ҚР НызамыI бап. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети қорғалатуғын тәбийғый аймақларды шөлкемлестириў, қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў саласындағы қатнасықларды тәртиплестириўден ибарат.
2-статья. Усы Нызамның тийкарғы ўазыйпалары Усы Нызамның тийкарғы ўазыйпалары типик, сийрек ушырасатуғын, баҳалы тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди, өсимликлер ҳәм ҳайўанлардың генетикалық фондын сақлап қалыўдан, инсан ҳәрекетиниң тәбиятқа унамсыз тәсир етиўиниң алдын алыўдан, тәбийғый процесслерди үйрениўден, қоршап турған тәбийғый орталықтың мониторингин алып барыўдан, экологиялық билимлендириў ҳәм тәрбияны жетилистириўден ибарат. 3-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халық аралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халық аралық шәртнаманың қағыйдалары қолланылады. 4-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар. Жердиң ҳәм (ямаса) суў кеңликлериниң (акваторияларының) артықмашлықлы экологиялық, илимий, мәдений, эстетикалық, рекреация ҳәм санитариялық-саламатландырыў әҳмийетке ийе болған, хожалық мақсетиндеги турақлы ямаса ўақытша пайдаланыўдан толық ямаса бир бөлегинде шығарылған участкалары қорғалатуғын тәбийғый аймақлар болып есапланады. Тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди сақлап қалыў, өршитип көбейтиў ҳәм тиклеў мақсетинде қорғалатуғын тәбийғый аймақларда қорғаў ҳәм пайдаланыў режими (буннан былай тексте-режим) орнатылады. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар биологиялық, ландшафт рәңбәреңлигин тәмийинлеў ҳәм экологиялық тең салмақлылықты сақлап турыў ушын арналған бир тутас экологиялық системаны қурайды. 5-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың тайпалары Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар белгиленген мақсети ҳәм режимине қарай төмендеги тайпаларға бөлинеди: мәмлекетлик қорықханалар; комплексли (ландшафтлы) буйыртпа қорықханалары; тәбият бағлары; мәмлекетлик тәбият естеликлери; айырым тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди сақлап қалыў, өршитип көбейтиў ҳәм тиклеў ушын арналған аймақлар; қорғалатуғын ландшафтлар; айырым тәбийғый ресурсларды басқарыў ушын арналған аймақлар. Нызам актлеринде мәмлекетлик биосфера резерватлары, миллий бағлар, мәмлекетлер аралық қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳәм басқа да қорғалатуғын тәбийғый аймақларды дүзиў нәзерде тутылыўы мүмкин. (ҚР ЖК 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамына тийкар екинши бөлим менен толықтырылған) 6-cтатья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларға болған меншик ҳуқықы Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар мәмлекеттиң мүлки ҳәм оның қорғаўында болып табылады. Жер участкалары ҳәм басқа да тәбийғый объектлер жеке буйыртпа қорықханалары ҳәм тәбийғый питомниклер дүзиў ушын юридикалық ҳәм физикалық шахсларға пайдаланыўға берилиўи мүмкин. 7-статья. Қорғалатуғын тәбийғый объектлердиң жер участкалары ҳәм акватория участкалары Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың жер участкалары тәбиятты қорғаў, саламатландырыў ҳәм рекреация мақсетлерине арналған жерлер қатарына киреди. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың жер участкалары ҳәм акватория участкаларында усы аймақлардан пайдаланыўдың белгиленген мақсетине қайшы келетуғын ҳәр қандай жумыс қадаған етиледи. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың жағдайына унамсыз тәсир ететуғын ямаса етиўи мүмкин болған жумысты шеклеў яки қадаған етиў ушын жер участкаларын сақлаў ўазыйпасы белгиленеди. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды дүзиўде юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жумысын шеклеў яки сапластырыў себепли оларға келтирилген зыянның орны нызам ҳүжжетлерине муўапық қапланады. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды шөлкемлестириў ушын аўыл хожалығына арналған ҳәм тоғай қорындағы жерлер ажыратып берилгенде аўыл хожалығы ҳәм, тоғай хожалығы өндириси көретуғын зәлел ҳәм зыянның орны өтелмейди. Мәмлекетлик қорықханалардың, комплексли (ландшафт) буйыртпа қорықханалардың, тәбият бағларының, мәмлекетлик тәбият естеликлериниң, буйыртпа қорықханалардың (аңшылық хожалықларында шөлкемлестирилген буйыртпа қорықханалар буннан тысқары), тәбийғый питомниклердиң, мәмлекетлик биосфера резерватларының, миллий бағлардың жер участкаларына жер салығы салынбайды. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларда хожалық жумысы алып барылып атырған болса, жер салығы өндириледи. (ҚР ЖК 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамына тийкар алтыншы бөлим жаңа редакцияда баян етилген) Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың жер участкаларын (миллий бағлардың жер участкаларынан тысқары) мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәжликлери ушын алып қойылыўына жол қойылмайды. (ҚР ЖК 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамына тийкар жетинши бөлим жаңа редакцияда баян етилген) Юридикалық ҳәм физикалық шахслар мәмлекетлик тәбият естеликлерин, буйыртпа қорықханаларды, тәбийғый питомниклерди қорғаў бойынша оларға жүкленген миннетлемелер орынланыўын тәмийинлемеген жағдайда, олар ийелеп турған жер участкасы алып қойылыўы мүмкин. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың жер участкалары ҳәм акватория участкаларын қорғаў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды алып қойыў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 8-статья. Пуқаралардың қорғалатуғын тәбийғый аймақларға кириў еркинлиги Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар пуқаралар кирип шығыўы ушын ашық болып табылады, усы Нызамда нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. Өсимликлер ҳәм ҳайўанлардың сийрек ушырасатуғын ҳәм жоғалып кетиў қәўпи астында болған түрлерин, бундай өсимликлер өсетуғын ҳәм бундай ҳайўанлар жасайтуғын орталықты қорғаў мақсетинде қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың айырым бөлеклерине пуқаралардың кириўи усы аймақлар қайсы мәмлекетлик уйым, юридикалық ҳәм физикалық шахслар ийелигинде болса, сол мәмлекетлик уйым, юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен шеклениўи ямаса қадаған етилиўи мүмкин. Пуқаралардың қорғалатуғын тәбийғый аймақларға кирип шығыўы усы аймақларда болыўдың арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлары тәрепинен тастыйықланатуғын қәделерине муўапық әмелге асырылады. Пуқаралардың айырым қорғалатуғын тәбийғый аймақларға кирип шығыўы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте төлемли тийкарда әмелге асырылыўы мүмкин. Айырым қорғалатуғын тәбийғый аймақларда халықтың тарийхый орнаған тәризде жасаўы усы аймақлардың режимине бойсыныў шәрти менен сақлап қалыныўы мүмкин. 9-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик қадағалаў Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў саласындағы мәмлекетлик қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен әмелге асырылады. 10-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды дүзиў, қорғаў ҳәм олардан пайдаланыўда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың қатнасыўы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралар қорғалатуғын тәбийғый аймақларды дүзиў, қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў илажларын әмелге асырыўда мәмлекетлик уйымларға көмеклеседи. Мәмлекетлик уйымлар усы илажларды әмелге асырып атырғанда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың усынысларын есапқа алады. Айырым қорғалатуғын тәбийғый аймақларды басқарыўға халықты тартыў мақсетинде, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, сондай-ақ, пуқаралардың ўәкиллеринен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының шешими менен мәсләҳәтлесиў комиссиялары дүзилиўи мүмкин. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды ҳәм олардың қорғалыў зоналарын дүзиў ҳаққындағы, усы аймақларда жасаўшы халықың мәплерине тийисли шешимлер мәсләҳәтлесиў комиссияларының жуўмақлары есапқа алынған ҳалда қабыл етиледи. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралар тийисли мәмлекетлик уйымларда қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳаққында мағлыўматлар талап етиў ҳәм алыў ҳуқықына ийе. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралар қорғалатуғын тәбийғый аймақлар дүзилип атырған, қорғалатуғын ҳәм олардан пайдаланып атырғанда нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жәмийетлик экологиялық экспертизаны өткериўи ҳәм жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўы мүмкин.II бап. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды басқарыў
11-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың мәмлекетлик басқарыўы Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды дүзиў, қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик басқарыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, сондай-ақ, арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен әмелге асырылады.
12-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды дүзиў ушын жер участкаларын резервке алыў Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды шөлкемлестириў мақсетинде арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар, сондай-ақ, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың усынысына муўапық, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының шешими менен жер участкалары резервке алынады. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың резервке алынған жер участкаларындағы жумысы, егер бундай жумыс усы участкалардан қорғалыўы нәзерде тутылып атырған тәбийғый объектлер ҳәм комплекслер сақланыўына қәўип туўдыратуғын болса, шеклениўи ямаса қадаған етилиўи шәрт. Усы жер участкалары юридикалық ҳәм физикалық шахсларға ийелик етиў ҳәм пайдаланыў яки ижара ушын бериўге тек ғана мәмлекетлик экологиялық экспертизаның унамлы жуўмағы болған жағдайда жол қойылады. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар жобалар ҳәм бағдарламаларды, жер дүзиў схемаларын және аймақлық жобаластырыўды, сондай-ақ тәбийғый ресрусларды қорғаў ҳәм олардан пайдаланыўға байланыслы басқа да жобаларды ислеп шығыўда есапқа алынады.
13-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды дүзиў, қайта дүзиў ҳәм олардың ҳәрекет етиўин тоқтатыў Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған тәртипте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарары менен дүзиледи. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды қайта дүзиў олардың тайпаларын өзгертиў зәрүр болғанда әмелге асырылады. Бунда қорғалатуғын тәбийғый аймақтың қатаңырақ режимли тайпадан жеңилирек режимли тайпаға өткерилиўине айрықша жағдайларда жол қойылады. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың ҳәрекет етиўин тоқтатыў бундай аймақлар қайсы мүддетке дүзилген болса, усы мүддет тамамланғаннан кейин, сондай-ақ тәбийғый апатшылықлар ҳәм техноген түстеги тәсирлер нәтийжесинде олардағы тәбийғый объектлер ҳәм комплекслердиң баҳалылығы және сийрек ушырасатуғынлығы жоғалған жағдайда әмелге асырылады.
14-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың мәмлекетлик кадастры Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың мәмлекетлик кадастры бул аймақлардың тайпалары ҳәм түрлери, олардың географиялық жағдайы, муғдар ҳәм сапа өзгешеликлери, экологиялық, экономикалық, илимий, ағартыў ҳәм басқа да түрдеги әҳмийети ҳаққындағы, жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳаққындағы, сондай-ақ, жер участкаларының ижарашылары ҳәм меншик ийелери ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алады. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың мәмлекетлик кадастры олардың режимин тәмийинлеў, илимий изертлеўлер өткериў, өндирислик күшлерди раўажландырыў ҳәм жайластырыўды жобаластырып атырғанда усы аймақларды есапқа алыў мақсетинде жүргизиледи. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың мәмлекетлик кадастры Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте жүргизиледи. Мәмлекетлик уйымларға, юридикалық ҳәм физикалық шахсларға қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың мәмлекетлик кадастрына тийисли мағлыўмат белгиленген тәртипте бериледи.
15-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақтың паспорты Бийлигинде қорғалатуғын тәбийғый аймақлар болған мәмлекетлик уйымлар, юридикалық ҳәм физикалық шахслар ҳәр бир аймақ бойынша паспорт дүзеди, онда усы аймақты, оның режими ҳәм басқарыўын тәрийплеўши мағлыўматлар көрсетиледи. Қорғалатуғын тәбийғый аймақтың паспортын жүргизиў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.
16-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды басқарыў жобалары Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды басқарыў жобалары тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди қорғаў және олардан пайдаланыў бойынша барлық шөлкемлестириў, тәбиятты қорғаў бағдарындағы, техникалық ҳәм басқа да илажлардан ибарат. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды басқарыў жобалары бийлигинде қорғалатуғын тәбийғый аймақлар болған мәмлекетлик уйымлар, юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен тастыйықланады. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды басқарыў жобаларының жойбарлары мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткерилиўи керек. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды басқарыў жобаларын ислеп шығыў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен белгиленеди.
17-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың қорықланыўын шөлкемлестириў Мәмлекетлик қорықханалар, комплексли (ландшафт) буйыртпа қорықханалар, тәбият бағлары ҳәм мәмлекетлик биосфера резерватларын қорықлаў қорықлаў хызметкерлери тәрепинен әмелге асырылады ҳәмде усы қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳаққындағы режелер менен ретлестириледи. Қорықлаў хызметкерлери мәмлекетлик қорықханалар, комплексли (ландшафт) буйыртпа қорықханалар, тәбият бағлары, мәмлекетлик биосфера резерватлары штатында турады ҳәмде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик инспекторларының барлық ҳуқықлары ҳәм жеңилликлеринен пайдаланады. Миллий бағларды қорықлаў бундай бағлар ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын режелерде белгиленген тәртипте тәмийинленеди. Мәмлекетлик буйыртпа қорықханалар ҳәм тәбийғый питомниклерди қорықлаў бундай қорықхана ҳәм питомниклер қайсы юридикалық шахслардың жер участкаларында жайласқан болса, усы юридикалық шахслар тәрепинен әмелге асырылады. Мәмлекетлик тәбият естеликлерин қорықлаў бундай естеликлер қайсы юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкаларында жайласқан болса, усы юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен әмелге асырылады. Егер мәмлекетлик буйыртпа қорықханалары ҳәм мәмлекетлик тәбият естеликлери юридикалық ҳәмде физикалық шахсларға берилмеген жер участкаларында жайласқан болса, олардың қорықланыўын тәмийинлеў жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға жүкленеди. Суў қорғаў зоналары, жаға бойы аймақлары ҳәм жер үсти ҳәмде жер асты суўларының пайда болыўы зоналарын қорықлаў олар қайсы аўыл ҳәм суў хожалығы уйымлары, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкаларында дүзилген болса, усы аўыл ҳәм суў хожалығы уйымлары, юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен әмелге асырылады. Суў объектлериниң санитариялық қорғаў зоналары ишки ислер уйымлары тәрепинен қорықланады. Курортлық тәбийғый аймақларды ҳәм рекреация зоналарын қорықлаў жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен тәмийинленеди. Айырым тәбийғый ресурсларды басқарыў ушын арналған аймақлар тоғай қорықшылары ҳәм аңшылық хожалықларының егерлик хызмети тәрепинен қорықланады. Балық хожалығы зоналарын қорықлаў балықшылық пенен шуғылланыўшы юридикалық ҳәм физикалық шахслар ҳәмде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары тәрепинен тәмийинленеди. Жеке буйыртпа қорықханалары ҳәм тәбийғый питомниклерди қорықлаў олар қайсы юридикалық ҳәм физикалық шахслардың бийлигинде болса, усы юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен тәмийинленеди. Қорықлаў зоналары мәмлекетлик қорықханалар, буйыртпа қорықханалар ҳәм мәмлекетлик тәбият естеликлерин қорғаў қайсы мәмлекетлик уйымлар, юридикалық ҳәм физикалық шахсларға жүкленген болса, усы мәмлекетлик уйымлар, юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қорықланады. (ҚР ЖК 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамына тийкар 17-статья жаңа редакцияда баян етилген)
III бап. Мәмлекетлик қорықханалар
18-статья. Мәмлекетлик қорықханаларды дүзиў Тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди қорғаўдың қатаң режимине ийе болған, типли экологиялық системалар, өсимликлер ҳәм ҳайўанлардың генофондын сақлап қалыў ҳәм үйрениў ушын арналған, улыўма мәмлекетлик әҳмийетке ийе қорғалатуғын тәбийғый аймақлар мәмлекетлик қорықханалар болып есапланады. Мәмлекетлик қорықханалар арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымның усынысы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен мәмлекетлик тәбиятты қорғаў илимий-изертлеў мәкемеси түринде шөлкемлестириледи. Мәмлекетлик қорықханалар бундай қорықханалар ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын реже тийкарында жумыс алып барады. 19-статья. Мәмлекетлик қорықханалардың режими Мәмлекетлик қорықханалардың аймағында ҳәр қандай жумыс қадаған етиледи, илимий-изертлеў жумысы ҳәм қоршап турған тәбийғый орталықтың мониторингин жүргизиў буған кирмейди. Мәмлекетлик қорықханаларда өртке қарсы илажлар өткерилиўине жол қойылады. Мәмлекетлик қорықханалар аймағында ҳәм олардың қорықланатуғын зоналарында тири организмлердиң жаңа ҳәм жас түрлерин ықлымластырыў мақсетинде жайластырыў қадаған етиледи. Мәмлекетлик қорықханалардың ямаса олар қайсы мәмлекетлик уйымлардың бийлигинде болса, усы мәмлекетлик уйымлардың хызметкери болып есапланбайтуғын пуқаралардың мәмлекетлик қорықханалар аймағында болыўына оларда усы уйымлар ямаса мәмлекетлик қорықхана ҳәкимшилиги берген рухсатнама болған жағдайда жол қойылады. 20-статья. Мәмлекетлик қорықханалардағы илимий-изертлеў жумысы Мәмлекетлик қорықханаларда илимий-изертлеўлер бундай қорықхана-лардың штатындағы илимий хызметкерлер тәрепинен өткериледи. Шәртнама тийкарында басқа илимий шөлкемлер ҳәм қәнийгелер тартылыўы мүмкин. Мәмлекетлик қорықханаларда илимпазлар кеңеслери (илимий кеңеслер) дүзиледи. Мәмлекетлик қорықханаларда қоршап турған тәбийғый орталықтың мониторинги жүргизилиўи шәрт. Мәмлекетлик қорықханалардағы илимий-изертлеў жумысы нәтийжелери, егер олар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң ҳәм Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қорының қаржылары есабынан алынған болса, мәмлекетлик мүлк болып есапланады. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қаржылары есабынан алынған илимий-изертлеў жумысы нәтийжелерине болған меншик ҳуқықы мәмлекетлик қорықханалар менен усы шахслар арасында дүзилген шәртнама менен белгиленеди. Мәмлекетлик қорықханалар илимий-изертлеў жумысы нәтийжелеринен бийпул пайдаланады. Мәмлекетлик қорықханалардың тәбийғый объектлери ҳәм комплекслериниң жағдайы ҳаққындағы илимий мәлимлеме жәрияланыўы керек. Мәмлекетлик қорықханалар өз басылымларына ийе болыўы мүмкин. Мәмлекетлик қорықханалардың илимий қорлары мүддетсиз сақланыўы тийис. Мәмлекетлик қорықханалардың илимий изертлеўлерин муўапықластырып барыўды Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими әмелге асырады.IV бап. Комплексли (ландшафтлы) буйыртпа қорықханалар
21-статья. Комплексли (ландшафтлы) буйыртпа қорықханаларын дүзиў Айрықша экологиялық баҳаға ийе болған тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди ҳақыйқый ҳалатында сақлаў ушын арналған қорғалатуғын тәбийғый аймақлар комплексли (ландшафтлы) буйыртпа қорықханалар болып есапланады. Комплексли (ландшафтлы) буйыртпа қорықханалар арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымның усынысы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен мәмлекетлик тәбиятты қорғаў мәкемелери түринде дүзиледи. Комплексли (ландшафтлы) буйыртпа қорықханалар бундай қорықханалар ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын реже тийкарында жумыс алып барады.
22-статья. Комплексли (ландшафтлы) буйыртпа қорықханалардың режими Комплексли (ландшафтлы) буйыртпа қорықханалар аймағында ҳәр қандай жумыс қадаған етиледи, илимий-изертлеў, рекреация жумысы, қоршап турған тәбийғый орталықтың мониторингин жүргизиў, сондай-ақ, шөп орыў, шарўа малларын бағыў, жабайы өсимликлерди азық-аўқатлық мақсетлер ушын, комплексли (ландшафтлы) буйыртпа қорықханалары хызметкерлериниң ҳәм усы қорықханалардың қорықланатуғын зоналарында жасаўшы пуқаралардың өз мүтәжликлери ушын жабайы ҳалда өсетуғын өсимликлердиң дәрилик ҳәм техникалық шийки затын таярлаў (жыйнаў) буған кирмейди.
V бап. Тәбият бағлары
23-статья. Тәбият бағларын дүзиў Айрықша экологиялық, мәдений ҳәм эстетикалық қунға ийе болған тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди тәбиятты қорғаў бағдарындағы, рекреация, илимий ҳәм мәдений мақсетлерде сақлап қалыў ҳәм олардан пайдаланыў ушын арналған қорғалатуғын тәбийғый аймақлар тәбият бағлары болып есапланады. Тәбият бағлары арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымның усынысына муўапық, тийислисинше, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ямаса Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарарлары менен мәмлекетлик тәбиятты қорғаў мәкемеси түринде дүзилетуғын миллий тәбият бағлары ҳәм жергиликли әҳмийетке ийе тәбият бағларына бөлинеди. Тәбият бағлары бундай бағлар ҳаққындағы, олар қайсы мәмлекетлик уйымлардың бийлигинде болса, усы мәмлекетлик уйымлар тәрепинен тастыйықланатуғын режелер тийкарында жумыс алып барады.
24-статья. Тәбият бағларының аймақлары Тәбият бағларының аймағы тәбият бағларына пайдаланыўға берип қойылатуғын жер участкаларында, сондай-ақ, басқа юридикалық ҳәм физикалық шахслардың тәбият бағлары шегаралары шеклериндеги жер майданларында жайласады. Тәбият бағлары дүзилип атырғанда олардың аймағы зоналарға бөлинеди. Тәбият бағларының аймағында қорықханаға айландырылған зоналар, рекреация, хожалық мақсетинде ҳәм басқа тәризде пайдаланыў зоналары ажыратып қойылады. Халықты саламатландырыў ушын шараят болған жағдайда тәбият бағларында курорт тәбийғый аймақлар ушын нәзерде тутылған режимли курорт зоналары ажыратып қойылады. Тәбият бағлары зоналарының өлшемлери ҳәм шегараларын өзгертиў, олар қайсы мәмлекетлик уйымлардың бийлигинде болса, усы уйымлар тәрепинен, мәмлекетлик экологиялық экспертизаны, жуўмақты есапқа алған ҳалда әмелге асырылады.
25-статья. Тәбият бағларының режими Тәбият бағлары аймағында зоналарға бөлиниўине муўапық дифференцияластырылған режим орнатылады. Тәбият бағларының қорықханаға айландырылған зоналарында мәмлекетлик қорықханалар ушын нәзерде тутылған режим орнатылады. Тәбият бағларының рекреация зоналары тәбийғый объектлер ҳәм комплекслердиң жағдайына қарай ҳәр қыйлы режимли участкаларға бөлиниўи мүмкин. Тәбият бағларының хожалық мақсетинде ҳәм басқа тәризде пайдаланыў зоналарында халықтың жасаўына, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерге зыян келтирмейтуғын жумысына жол қойылады. Ҳәр бир зонаның режими тәбият бағлары ҳаққындағы режелерде белгиленеди. Тәбият бағларының аймағында төмендегилер қадаған етиледи: терек ҳәм путаларды кесиў (күтим ушын ҳәм санитариялық мақсеттеги кесиў буған кирмейди); гидрологиялық ҳәм гидрогеологиялық режимди өзгертетуғын ҳәрекетлер; топырақ эрозиясын, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясының деградациясын келтирип шығарыўшы ҳәрекетлер; тәбият бағларының жумысы менен байланыслы болмаған жол ҳәм инженерлик-телекоммуникациялық жумысларды әмелге асырыў; шығындыларды сақлаў ҳәм көмиў, ақаба суўларды ағызыў; тири организмлердиң жаңа ҳәм жас түрлерин ықлымластырыў мақсетинде жайластырыў. Тәбият бағларында тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерге зыян келтириўи мүмкин болған жумыстың басқа түрлериде шеклениўи ямаса қадаған етилиўи мүмкин. Тәбият бағларының жумыс алып барыўы ушын жоллар, басқа да коммуникациялар ҳәм қурылмалардың қурылыўы зәрүр болған жағдайларда бузылған жерлерди рекультивациялаў, тәбиятты қорғаў бағдарындағы барлық илажларды әмелге асырыў миннетли түрде нәзерде тутылады.VI бап. Мәмлекетлик тәбият естеликлери
26-статья. Мәмлекетлик тәбият естеликлериниң түрлери Сийрек ушырасатуғын, орнын толтырып болмайтуғын, экологиялық, илимий, мәдений ҳәм эстетикалық жақтан баҳалы тәбийғый объектлери бар қорғалатуғын тәбийғый аймақлар мәмлекетлик тәбият естеликлери болып есапланады. Мәмлекетлик тәбият естеликлери төмендеги түрлерге бөлинеди; тәбийғый суў объектлерин сақлап қалыў ушын арналған гидрологиялық (батпақлық, көл, дәрья ҳәм басқа) естеликлер; айырым өсимликлерди сақлап қалыў ушын арналған ботаникалық естеликлер; тәбият жаратқан рельеф формаларын сақлап қалыў ушын арналған геоморфологиялық естеликлер; қазылма объектлерди сақлап қалыў ушын арналған палеонтологиялық естеликлер; геологиялық ҳәм минералогиялық дүзилмелерди сақлап қалыў ушын арналған геологиялық ҳәм минералогиялық естеликлер.
27-статья. Тәбийғый объектлерди мәмлекетлик тәбият естеликлери деп жәриялаў Тәбийғый объектлер арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымның усынысы, сондай-ақ, юридикалық ямаса физикалық шахслардың өтиниши бойынша жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының шешимлери менен мәмлекетлик тәбият естеликлери деп жәрияланады. Тәбийғый объектлерди олар жайласқан жер участкаларын алып қоймаған ҳалда мәмлекетлик тәбият естеликлери деп жәриялаўға жол қойылады.
28-статья. Мәмлекетлик тәбият естеликлериниң режими Мәмлекетлик тәбият естеликлери аймағында олардың сақланыўына қәўип салатуғын ҳәр қандай жумыс қадаған етиледи. Мәмлекетлик тәбият естеликлери қайсы юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкаларында жайласқан болса, усы юридикалық ҳәм физикалық шахсларға бундай естеликлердиң режимин тәмийинлеў миннетлемелери жүкленеди. Диний мақсетлерде пайдаланылатуғын мәмлекетлик тәбият естеликлери диний шөлкемлерге ямаса физикалық шахсларға бундай естеликлерди абаданластырыў ҳәм сақлаў жумысларын әмелге асырыў шәрти менен пайдаланыўға ямаса ижараға берилиўи мүмкин.
VII бап. Айырым тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди сақлап қалыў, өршитип көбейтиў ҳәм тиклеў ушын арналған аймақлар
29-статья. Айырым тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди сақлап қалыў, өршитип көбейтиў ҳәм тиклеў ушын арналған аймақлардың түрлери Айырым тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди сақлап қалыў, өршитип көбейтиў ҳәм тиклеў ушын арналған аймақлар буйыртпа қорықханалар, тәбийғый питомниклер ҳәм балық хожалығы зоналары сыпатында дүзиледи.
30-статья. Буйыртпа қорықханалар Айырым тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди сақлап қалыў, өршитип көбейтиў ҳәм санын тиклеў ушын арналған қорғалатуғын тәбийғый аймақлар буйыртпа қорықханалары болып есапланады. Буйыртпа қорықханалар төмендеги түрлерге бөлинеди: өсимликлер ҳәм ҳайўанлардың баҳалы, сийрек ушырасатуғын ҳәм жоғалып кетиў қәўпи астында турған түрлерин, тири организмлердиң көшип өтиў жолларын сақлап қалыў, өршитип көбейтиў ҳәм санын тиклеў ушын арналған биологиялық (ботаникалық, зоологиялық) буйыртпа қорықханалар; айырым қазылма объектлер ҳәм олардың комплекслерин сақлап қалыў ушын арналған палеонтологиялық буйыртпа қорықханалар; баҳалы суў объектлерин сақлап қалыў ушын арналған гидрологиялық (батпақлық, көл, дәрья) буйыртпа қорықханалары; сийрек ушырасатуғын геологиялық ҳәм минералогиялық дүзилмелерди сақлап қалыў ушын арналған геологиялық ҳәм минералогиялық буйыртпа қорықханалар. Буйыртпа қорықханалар улыўма мәмлекетлик ямаса жергиликли әҳмийетке ийе болыўы мүмкин.
31-статья. Буйыртпа қорықханаларды шөлкемлестириў Улыўма мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған буйыртпа қорықханалар арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымның усынысы, сондай-ақ, юридикалық ямаса физикалық шахслардың өтинишине муўапық, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен дүзиледи. Жергиликли әҳмийетке ийе болған буйыртпа қорықханалар арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымның усынысы, сондай-ақ, юридикалық ямаса физикалық шахслардың өтинишине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси шешими менен дүзиледи. Буйыртпа қорықханалар жумыс мүддетлери көрсетилмеген ҳалда (мүддетсиз) ямаса кеминде он жыл мүддетке дүзиледи. Буйыртпа қорықханалар мәмлекетке қараслы ямаса жеке меншик болыўы, юридикалық шахс дүзилген ямаса дүзилмеген ҳалда болыўы мүмкин. Жеке меншик буйыртпа қорықханаларын ҳәм юридикалық шахс дүзген ҳалдағы мәмлекетлик буйыртпа қорықханаларды дүзиў ушын жер участкалары ҳәм айырым тәбийғый объектлер белгиленген тәртипте бериледи.
32-статья. Буйыртпа қорықханалардың режими Буйыртпа қорықханалардың аймағында, комплексли (ландшафтлы) буйыртпа қорықханаларды есапқа алмағанда, айырым тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерге зыян келтириўи мүмкин болған ҳәр қандай жумыс турақлы түрде ямаса ўақытша шекленеди яки тоқтатылады. Юридикалық шахс дүзилмеген ҳалдағы мәмлекетлик буйыртпа қорықханалары жайласқан аймақлар жер ийелериниң, жерден пайдаланыўшылардың, сондай-ақ, жер участкалары ижарашылары ҳәм меншик ийелериниң хожалық мақсетиндеги пайдаланыўынан алып қойылмайды. Усы буйыртпа қорықханалар қайсы юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкаларында ҳәм (ямаса) акватория участкаларында дүзилген болса, усы юридикалық ҳәм физикалық шахслар буйыртпа қорықханаларының белгиленген режимине бойсыныўы шәрт. Ҳәр бир буйыртпа қорықхана режиминиң өзгешеликлери, усы буйыртпа қорықхана қайсы мәмлекетлик уйымлар, юридикалық ҳәм физикалық шахслар бийлигинде болса, усы мәмлекетлик уйымлар, юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен тастыйықланатуғын режеде белгиленеди.
33-статья. Тәбийғый питомниклер Өсимликлер ҳәм ҳайўанлардың айырым түрлерине зәрүр шараят жаратыў жолы менен оларды сақлап қалыў, өршитип көбейтиў ҳәм тиклеў ушын арналған, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар тәбийғый питомниклер болып есапланады. Тәбийғый питомниклер юридикалық ямаса физикалық шахслардың өтинишине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң шешими менен дүзиледи. Тәбийғый питомниклер мәмлекетке қараслы ямаса жеке меншик, юридикалық шахс дүзилген ҳалда ямаса юридикалық шахс дүзилмеген ҳалда болыўы мүмкин. Жеке меншик тәбийғый питомниклерди ҳәм юридикалық шахс дүзилген ҳалдағы мәмлекетлик тәбийғый питомниклерди дүзиў ушын жер участкалары ҳәм айырым тәбийғый объектлер белгиленген тәртипте бериледи. Тәбийғый питомник қайсы өсимликлер ҳәм ҳайўанлар ушын арналған болса, усы питомниктиң аймағында усы өсимликлер ҳәм ҳайўанлардың сақлап қалыныўы, өршитип көбейтилиўи ҳәм тиклениўине қәўип туўдыратуғын ҳәр қандай жумыс қадаған етиледи.
34-статья. Балық хожалығы зоналары Суў объектлерин ямаса олардың бөлеклерин өз ишине алатуғын, сийрек ушырасатуғын ҳәм жоғалып кетиў қәўпи астында турған балықлар ҳәм басқа да суў организмлери түрлерин сақлап қалыў, өршитип көбейтиў ҳәм тиклеў ушын, сондай ақ балық хожалығы зәрүрликлери ушын пайдаланылатуғын, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар балық хожалығы зоналары есапланады. Балық хожалығы зоналары экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, аўыл ҳәм суў хожалығы уйымларының усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен дүзиледи. Балық хожалығы зоналарында балықлар ҳәм басқа да суў организмлериниң сақлап қалыныўы, өршитип көбейтилиўи ҳәм тиклениўине қәўип салатуғын ҳәр қандай жумыс қадаған етиледи.
VIII бап. Қорғалатуғын ландшафтлар
35-статья. Қорғалатуғын ландшафтлардың түрлери Курортлық тәбийғый аймақлар, рекреация зоналары, суўды қорғаў зоналары, жаға бойы аймақлары, суў объектлериниң санитариялық қорғаў зоналары, жер үсти ҳәм жер асты суўларының пайда болыў зоналары қорғалатуғын ландшафтлар қатарына киреди. 36-статья. Курортлық тәбийғый аймақлар Емлеў ҳәм саўалландырыў қәсийетлерине, минерал дереклерге, шыпалы балшық қатламларына, қолай ықлым ҳәм басқа да шараятларға ийе, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар курорт тәбийғый аймақлары болып есапланады. Курортлық тәбийғый аймақлары улыўма мәмлекетлик ҳәм жергиликли әҳмийетке ийе болыўы мүмкин. Улыўма мәмлекетлик әҳмийетке ийе курортлық тәбийғый аймақлар Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң биргеликтеги усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен дүзиледи. Жергиликли әҳмийетке ийе курортлық тәбийғый аймақлар Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң биргеликтеги усынысына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң шешими менен дүзиледи. 37-статья. Курортлық тәбийғый аймақлардың режими Курортлық тәбийғый аймақлар үш зонаға бөлинеди. Биринши зонаға емлеў қәсийетине ийе дереклер, шыпалы балшық қатламлары бар аймақлар киреди. Бундай зонада ҳәр қандай жумыс қадаған етиледи, емлеў қәсийетлерине ийе дереклер ҳәм балшық пенен емлеў бойынша емлеўханаларды абаданластырыў ушын зәрүр қурылмалар қурыў буған кирмейди. Екинши зонаға санаторийлар, панcионатлар ҳәм дем алыў үйлериниң аймақлары киреди. Бул зонада емлеў ҳәм дем алыўды шөлкемлестириў ушын зәрүр болған жумысты есапқа алмағанда ҳәр қандай жумыс, сондай-ақ, бул аймақта ўақытша жасайтуғын медицина хызметкерлери ҳәм хызмет көрсетиўши хызметкерлерден басқа халықтың жасаўы қадаған етиледи. Yшинши зонаға санаторийлар, панcионатлар ҳәм дем алыў үйлерине тутас аймақлар киреди. Бул зонада емлеў дереклерине, шыпалы балшық қатламларына зыян келтирмейтуғын ҳәм дем алыў және емлениў шараятларын төменлестирмейтуғын шекленген хожалық жумысын жүргизиўге рухсат етиледи. Курортлық тәбийғый аймақларда төмендегилер қадаған етиледи: пайдалы қазылмаларды қазып алыў, (минерал суўлар ҳәм шыпалы балшық қазып алыў буған кирмейди); химиялық, целлюлоза-қағаз ҳәм металлургия санааты кәрханаларының жумысы; терек ҳәм путаларды кесиў (күтим бериў ҳәм санитариялық мақсеттеги кесиў буған кирмейди); зәҳәрли химиялық затларды қолланыў; ҳарам өлген шарўа маллары көмилетуғын орынларды пайда етиў; зәҳәрли химиялық затлар ҳәм минерал төгинлер сақлағышларын қурыў; шығындыларды сақлаў ҳәм көмиў; жергиликли гидрологиялық режимди өзгертиў. 38-статья. Рекреация зоналары Туризм ҳәм халықтың көпшилик дем алыўын шөлкемлестириў ушын қолай географиялық ҳәм ықлым шараятларына ийе қорғалатуғын тәбийғый аймақлар рекреация зоналары болып есапланады. Рекреация зоналары Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлиик комитети, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң биргеликтеги усынысына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң шешими менен дүзиледи. (ҚР ЖК 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерис киргизлген) Мәмлекетлик тоғай фонды участкаларындағы рекреация зоналары Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниӊ усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен келисилген халда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларыныӊ қарарлары менен шөлкемлестириледи. (ҚР ЖК 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерис киргизлген) 39-статья. Рекреация зоналарының режими Рекреация зоналары тәбийғый объектлер ҳәм комплекслердиң жағдайына қарай ҳәр қыйлы режимге ийе участкаларға бөлиниўи мүмкин. Рекреация зоналарында төмендегилер қадаған етиледи: химия, целлюлоза-қағаз ҳәм металлургия санааты кәрханаларының жумысы; терек ҳәм путаларды кесиў (күтим бериў ҳәм санитариялық мақсеттеги кесиў буған кирмейди); зәҳәрли химиялық затларды қолланыў; ҳарам өлген шарўа маллары көмилетуғын орынларды пайда етиў; шығындыларды сақлаў ҳәм көмиў; жергиликли гидрологиялық режимди өзгертиў. 40-статья. Суўды қорғаў зоналары, жаға бойы аймақлары, суў объектлериниң санитариялық қорғалыўы зоналары ҳәм жер үсти және жер асты суўларының пайда болыў зоналары Дәрьялардың, көллердиң, суў ҳәўизлериниң, каналлардың, коллекторлар ҳәм басқа да суў объектлериниң өзенлерине тутас қорғалатуғын тәбийғый аймақлар суўды қорғаў зоналары болып есапланады. Бул зоналар патасланыў, былғаныў, сайызланыўдың ҳәм суў объектлери топырақ эрозиясы өнимлери болған шөгиндилер менен толып қалыўының алдын алыў мақсетинде, сондай-ақ, ең қолайлы суў режимин сақлап турыў ушын дүзиледи. Қатаң режимге тийкарланған суўды қорғаў зоналары шеклериндеги қорғалатуғын тәбийғый аймақлар жаға бойы аймақлары болып есапланады. Ишимлик, турмыс ҳәм емлеў-саўалландырыў зәрүрликлери ушын пайдаланылатуғын суў объектлерине тутас, қатаң режим тийкарындағы қорғалатуғын тәбийғый аймақлар, суў объектлериниң санитариялық қорғалыў зоналары болып есапланады. Дәрьялардың ойпатлықларында, жайылма конусларда, таў жанбаўырларының етеклеринде дүзилетуғын қорғалатуғын тәбийғый аймақлар, жер үсти ҳәм жер асты суўларының пайда болыў зоналары болып есапланады. Суўды қорғаў зоналары, жаға бойы аймақлары, суў объектлериниң санитариялық қорғалыў зоналары ҳәм жер үсти және жер асты суўларының пайда болыў зоналары, тийислисинше, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, аўыл ҳәм суў хожалығы, санитариялық бақлаў уйымларының, геологиялық шөлкемлердиң усынысына муўапық, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң шешимлери менен дүзиледи. 41-статья. Суўды қорғаў зоналарының, жаға бойы аймақларының, суў объектлери санитариялық қорғалыўы зоналарының ҳәм жер үсти және жер асты суўлары пайда болыў зоналарының режими Суўды қорғаў зоналары шеклеринде шекленген хожалық жумысын жүргизиўге жол қойылады. Бундай зоналарда төмендегилер қадаған етиледи: терек ҳәм путаларды кесиў (күтим бериў ҳәм санитариялық мақсеттеги кесиў буған кирмейди); зәҳәрли химиялық затларды қолланыў; зәҳәрли химиялық затлар ҳәм минерал төгинлерди сақлағышларды қурыў; ҳарам өлген шарўа маллары көмилетуғын орынларды пайда етиў; шығындыларды сақлаў ҳәм көмиў; канализация-тазалаў қурылмалары ҳәм ақаба суўлар топланатуғын қурылмаларды қурыў; шарўашылық ҳәм қусшылық комплекслерди жайластырыў, сондай-ақ, суўғарыў ушын «шербет» (суйық гөң) пайдаланыў; автомобиль транспортын қойып турыў, оларға жанылғы қуйыў, оларды жуўыў ҳәм оңлаў орынларын шөлкемлестириў; нефть өнимлери сақлағышларын пайда етиў; зығыр, кенеп ҳәм тери жуўыў. Жаға бойы аймақларында усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған шеклеўлер ҳәм қадаған етиўлерден тысқары төмендегилер қадаған етиледи: минерал ҳәм органикалық төгинлерди қолланыў; шарўа малларын отлатыў; суў хожалығы объектлерин қурыўдан тысқары қурылыстың ҳәр қандай түри; белгиленбеген орынларда қайықлар байлап қойылатуғын орынларды пайда етиў. Суў объектлериниң санитариялық қорғаў зоналары ҳәр қыйлы режимли қорғалыў аймақларына бөлинеди. Дәрья аңғарларын өзгертиў, пайдалы қазылмалар қазып алыў ҳәм суў объектлери жағдайына тәсир ететуғын басқа да жумысларды орынлаўға тек ғана экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, аўыл ҳәм суў хожалығы уйымларының, сондай-ақ, геология шөлкемлериниң рухсатнамасы менен жол қойылады. Елатлы пунктлер аймағында хожалықлар аралық жер дүзиў ҳәм жобаластырыў өткерилип атырғанда, суўды қорғаў зоналарының, жаға бойы аймақларының ҳәм суў объектлери санитариялық қорғалыўы зоналарының шегараларын өзгертиў экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, аўыл ҳәм суў хожалығы уйымлары ҳәм санитариялық бақлаў уйымлары менен келисип алыныўы шәрт. Суўды қорғаў зоналары ҳәм жаға бойы аймақлары режими жер үсти ҳәм жер асты суўларының пайда болыў зоналарына да қолланылады. Суўды қорғаў зоналары, жаға бойы аймақлары, суў объектлериниң санитариялық қорғаў зоналары ҳәм жер үсти және жер асты суўларының пайда болыў зоналарын қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби және шәртлери Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.IX бап. Айырым тәбийғый ресурсларды басқарыў ушын арналған аймақлар
42-статья. Айырым тәбийғый ресурсларды басқарыў ушын арналған аймақлардың түрлери Тоғай қорының эрозияға қарсы пайда етилген тоғайлары, қалалық тоғайлар, қалалардың, басқа да елатлы пунктлер ҳәм санаат орайларының жасыл аймақлары әтирапындағы тоғайлар, айрықша баҳалы тоғайлар, жаңғақзарлар, мийўели терекликлер, илимий ямаса тарийхый әҳмийетке ийе тоғайлар ийелеген жерлер, сондай-ақ, аңшылық хожалықларының өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясынан ақылға уғрас пайдаланыў ушын арналған жер участкалары айырым тәбийғый ресурсларды басқарыў ушын арналған аймақлар қатарына киреди.
43-статья. Айырым тәбийғый ресрусларды басқарыў ушын арналған аймақлардың режими Айырым тәбийғый ресурсларды басқарыў ушын арналған аймақларда тири организмлердиң жаңа ҳәм жас түрлерин ықлымластырыў мақсетинде жайластырыў ҳәм өсимлик және ҳайўанат дүньясына зыян келтириўи мүмкин болған басқа да жумыс қадаған етиледи. Айырым тәбийғый ресурсларды басқарыў ушын арналған аймақларда өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясынан нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте пайдаланыўға жол қойылады.
X бап. Мәмлекетлик биосфера резерватлары, миллий бағлар ҳәм мәмлекетлер аралық қорғалатуғын тәбийғый аймақлар
44-статья. Мәмлекетлик биосфера резерватлары Аймақларды турақлы экономикалық ҳәм социаллық раўажландырыў мақсетинде мәмлекетлик биосфера резерватлары-биологиялық рәң-бәреңликти сақлаў, тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерден ақылға уғрас пайдаланыў ушын мөлшерленген, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар дүзилиўи мүмкин. Мәмлекетлик биосфера резерватлары халық аралық биосфера резерватлары тармағына қосылыўы ҳәм қоршаған тәбийғый орталықтың глобал мониторингинде қатнасыўы мүмкин. Мәмлекетлик биосфера резерватлары Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен шөлкемлестириледи. Мәмлекетлик биосфера резерватларының аймақлары мәмлекетлик биосфера резерватларына пайдаланыўға берилетуғын жер участкаларында, сондай-ақ, басқада юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мәмлекетлик биосфера резерватлары шегаралары шеңберинде жер участкаларында жайласады. Мәмлекетлик биосфера резерватлары аймағында төмендегилер ажыратып қойылады: тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди өзиниң негизги жағдайында сақлап қалыў ушын арналған, мәмлекетлик қорықханалар ушын нәзерде тутылған режимли қорықханаға айландырылған зона; тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди сақлап қалыў, тәкирарлап көбейтиў ҳәм тиклеў ушын арналған, қорықханаға айландырылған зонаға унамсыз тәсир етиўи мүмкин болған ҳәр қандай жумыс қадаған етилетуғын аралық зона; мәмлекетлик биосфера резерватларының тәбийғый объектлери ҳәм комплекслерине зыян келтирмейтуғын хожалық мақсетиндеги ҳәм басқа да тәриздеги жумысты әмелге асырыў ушын мөлшерленген зона. Мәмлекетлик биосфера резерватларының режими бундай резерватлар ҳаққындағы, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын режелер менен белгиленеди.
45-статья. Миллий бағлар Айрықша экологиялық, илимий, мәдений ҳәм эстетикалық әҳмийетке ийе болған, өсимликлердиң сийрек ушырасатуғын ҳәм баҳалы, соның ишинде декоратив түрлерин сақлап қалыў, тәкирарлап көбейтиў ҳәм тәбиятты қорғаў, рекреация, илимий ҳәм мәдений мақсетлерде ақылға уғрас пайдаланыўға арналған қорғалатуғын тәбийғый аймақлар миллий бағлар болып табылады. Миллий бағлар жер участкаларында өсимлик дүньясын қайта тиклеў ҳәм тәкирарлап көбейтиў, соның ишинде комплексли агротехникалық илажлар өткериў жолы менен дүзилиўи мүмкин. Миллий бағ аймағында қоныс тапқан ҳайўанат дүньясы усы аймақтың экологиялық системасының қурамалы бөлеги болып табылады. Миллий бағлар Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен шөлкемлестириледи. Миллий бағларды басқарыў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен шөлкемлестирилетуғын дирекция тәрепинен әмелге асырылады. Миллий бағлар бундай бағлар ҳаққындағы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын режелер тийкарында жумыс алып барады. Жер участкалары нызам ҳүжжетлеринде белгиленетуғын тәртипте барлық тәбийғый ресурслары менен бирге хожалық пайдаланыўынан алып қойылады ҳәм миллий бағларға турақлы пайдаланыў ушын бериледи. Миллий бағдың өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы сақлап қалыныўын тәмийинлеў ушын оған тутас аймақларда миллий бағ ҳаққындағы режеге муўапық қорықланатуғын зоналар дүзилиўи мүмкин. Миллий бағлар ҳаққындағы режеге муўапық, миллий бағлар аймағында олардан мақсетли пайдаланыўға қайшы болатуғын ҳәм өсимлик объектлериниң сақланыўы, көбейтилиўи ҳәм тиклениўине қәўип салыўшы ҳәр қандай жумыс қадаған етиледи. Миллий бағлар аймақлары функционал зоналарға ажыратылыўы мүмкин.
46-статья. Мәмлекетлер аралық қорғалатуғын тәбийғый аймақлар Еки ҳәм оннан артық мәмлекет аймағында жайласқан қорғалатуғын тәбийғый аймақлар мәмлекетлер аралық қорғалатуғын тәбийғый аймақлар болып есапланады. Мәмлекетлер аралық қорғалатуғын тәбийғый аймақлар Өзбекистан Республикасының халық аралық шәртнамалары тийкарында шөлкемлестирилиўи мүмкин. Мәмлекетлер аралық қорғалатуғын тәбийғый аймақлар режими Өзбекистан Республикасының нызам актлерине ҳәм халық аралық шәртнамаларға муўапық белгиленеди.
XI бап. Жуўмақлаўшы режелер
47-статья. Қорықланатуғын зоналар Мәмлекетлик қорықханалар, комплексли (ландшафт) буйыртпа қорықханалар, буйыртпа қорықханалар ҳәм мәмлекетлик тәбият естеликлери, миллий бағлар менен шегаралас аймақлар қорықланатуғын зоналар болып табылады. Қорықланатуғын зоналарда усы қорғалатуғын тәбийғый аймақларға унамсыз тәсирдиң алдын алыў мақсетинде хожалық жумысы ҳәм басқа да жумыс шекленеди ямаса қадаған етиледи. Қорықланатуғын зоналардың өлшемлери ҳәм режими, сондай-ақ, жер участкаларын сақлаў ўазыйпасы қорғалатуғын тәбийғый аймақларды шөлкемлестириў менен бир ўақытта белгиленеди. Мәмлекетлик қорықхананың қорықланатуғын зонасының бир бөлеги экологиялық туризмди шөлкемлестириў, усы аймақ ушын тән болған сийрек ушырасатуғын ҳәм жоғалып кетиў қәўпи астында турған өсимликлер ҳәм ҳайўанатлардың түрлерин көбейтиў мақсетинде тәбийғый питомниклер жаратыў ушын ҳәмде қорықхананың басқа да мүтәжликлери ушын усы қорықхананың өзине тапсырылыўы мүмкин.
48-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды қаржыландырыў Мәмлекетлик қорықханалар, комплексли (ландшафт) буйыртпа қорықханалар, тәбият бағлары ҳәмде мәмлекетлик биосфера резерватлары төмендегилер есабынан қаржыландырылады: Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик бюджети қаржылары; Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қорының қаржылары; илимий-изертлеў, тәбиятты қорғаў, реклама-баспа ҳәм ағартыўшылық жумысынан алынған дәраматлар; қорғалатуғын тәбийғый аймақларға келтирилген зыянның орнын қаплаўға қаратылған түсимлер; қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың режимин бузғанлығы ушын өндирилетуғын жәрийма пуллары; конфискация етилген аңшылық қураллары ҳәм балықшылық әсбапларын реализация етиўден, нызамсыз рәўиште қолға киргизилген олжа өнимлерин сатыўдан түскен пуллар; юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қайырқомлық жәрдемлери; нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да түсимлер. Комплексли (ландшафт) буйыртпа қорықханалары, тәбият бағлары ҳәм мәмлекетлик биосфера резерватлары ықтиярына усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген қаржылардан тысқары, пуқаралардың қорғалатуғын тәбийғый аймақларға кирип шығыўы ҳәм тәбийғый ресурслардан пайдаланыў ушын рухсатнамалар бериўден, рекреация, туристлик-экскурсия бағдарындағы ҳәм нызам ҳүжжетлеринде жол қойылатуғын басқа да жумыстан келген дәраматлар да бериледи. Миллий бағлар Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик бюджети қаржылары, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қайырқомлық жәрдемлери ҳәмде нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да түсимлер есабынан қаржыландырылады. Мәмлекетлик буйыртпа қорықханаларын, мәмлекетлик тәбият естеликлерин шөлкемлестириў, қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ушын қаржылар усы қорғалатуғын тәбийғый аймақлар қайсы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик уйымлар бийлигинде болса, усы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик уйымлар тәрепинен ажыратылады. Жеке буйыртпа қорықханалары ҳәм тәбийғый питомниклер қайсы юридикалық ҳәм физикалық шахслардың бийлигинде болса, усы юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қаржылары есабынан қаржыландырылады. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларға келтирилген зыянның орнын қаплаўға қаратылған түсимлерден, қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың режимин бузғанлығы ушын өндирилген жәрийма пулларынан, пуқаралардың қорғалатуғын тәбийғый аймақларға кирип шығыўы ҳәм тәбийғый ресурслардан пайдаланыў ушын рухсатнамалар бериўден түскен қаржылардан, рекреация, туристлик-экскурсия бағдарындағы ҳәм басқада жумыстан түскен дәраматлардан, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қайырқомлық жәрдемлеринен тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди сақлап қалыў, тәкирарлап көбейтиў ҳәм тиклеў ушын пайдаланылады.
49-статья. Тартысларды шешиў Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды шөлкемлестириў, қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў саласындағы тартыслар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи.
50-статья. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады. (ҚР ЖК 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамына тийкар Х-бөлим Х ҳәм ХI-бөлимлер менен алмастырылған)