Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ГЕОГРАФИЯЛЫҚ ОБЪЕКТЛЕРДИҢ АТАМАЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 28.12.2013-ж. № 185/XIV

 ГЕОГРАФИЯЛЫҚ ОБЪЕКТЛЕРДИҢ АТАМАЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы

 I БАП. ТИЙКАРҒЫ РЕЖЕЛЕР

 1-статья. Усы Нызамның мақсети ҳәм қолланылыў саласы  Усы Нызамның мақсети географиялық объектлердиң атамалары саласындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. Усы Нызамның ҳәрекет етиўи Қарақалпақстан Республикасы аймағынан сыртта жайласқан географиялық объектлердиң атамаларының олардан Қарақалпақстан Республикасында пайдаланыўға тийисли бөлегине де таралады.  2-статья. Географиялық объектлердиң атамалары туўралы нызамшылық Географиялық объектлердиң атамалары туўралы нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа да нызам актлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының географиялық объектлериниң атамалары ҳаққындағы нызамында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.  3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: географиялық объектлер - Жердиң ҳәзирги ўақыттағы яки өтмиште бар болған ҳәм анық орналасқан орны менен белгиленетуғын, келип шығыўы тәбийий, ямаса жасалма болған пүтин бир тутас ҳәм салыстырмалы турақлы дүзилмелери. Олардың қатарына: ҳәкимшилик - аймақлық бирликлер (районлар, қалалар, посёлкалар, аўыллар); елатлы пунктлер ҳәм олардың қурам бөлеклери (мәкан-кеңеслер, гүзарлар, көшелер, майданлар, бағлар, қыябанлар); транспорт ҳәм инженерлик-техникалық инфраструктура объектлери (темир жол станциялары, автостанциялар, вокзаллар, аэропортлар, портлар, пристанлар, көпирлер, разъездлер, жоллар, каналлар, суў сақлағышлар, плотиналар, дамбалар); тәбийий объектлер (дәрьялар, көллер, тегисликлер, таўлар, таў дизбеклери, шөллер, ойпатлықлар, бәлентликлер, таў жыралары, қорғалатуғын тәбийий аймақлар, таў жанбаўырлары, пайдалы қазылма кәнлери) ҳәм басқа усыған уқсас объектлер киреди; географиялық объектлердиң атамалары - географиялық объектлердиң оларды ажыратып парықлаў ҳәм анықлаў ушын пайдаланылатуғын өз атамалары; географиялық объекттиң атамасын белгилеў – жәнеде нормалластырыў мақсетинде географиялық объекттиң атамасын анықлаў; географиялық объекттиң атамасын нормалластырыў - географиялық объекттиң ең көп пайдаланылатуғын ҳәм ең муўапық атамасын таңлаў, усы атама жазылатуғын форманы белгилеў ҳәм тастыйықлаў; географиялық объекттиң атамасын өзгертиў - географиялық объекттиң ҳәзирги атамасын усы Нызамда белгиленген жағдайларда ҳәм тәртипте өзгертиў;  4-статья. Географиялық объектлердиң атамаларына тийисли талаплар Географиялық объектке берилип атырған атама: географиялық объектке тән болған белгилерди сәўлелендириўи; усы географиялық объект жайласқан жердеги географиялық объектлер атамаларының бар болған системасына сәйкес келиўи; жергиликли халықтың пикирин есапқа алыўы; әдетте, көби менен үш сөзден ибарат болыўы; усы Нызамның 6-статьясы екинши бөлиминиң талапларына муўапық болыўы керек. Районларға, қалаларға, посёлкаларға, аўылларға, елатларға, елатлы пунктлерге адамлардың аты-фамилиясын бериўге, сондай-ақ, оларды тарийхый ўақыялар ҳүрметине байланыслы атаўға, әдетте, жол қойылмайды. Көшелерге, гүзарларға, елатларға, майданларға, бағларға ҳәм елатлы пунктлердиң басқа да қурам бөлеклерине айырым адамлар, жәмийетлик-сиясий ғайраткерлердиң аты-фамилиясын бериўге, әдетте, жол қойылмайды, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхындағы терең из қалдырған шахслар буған кирмейди. Ўәкилликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен шөлкемлестирилип атырған географиялық объектлерге оларды шөлкемлестириў туўралы тийисли ҳүжжетлер менен усы Нызам талапларына муўапық атама бериледи. Ҳәкимшилик - аймақлық бирликлердиң атамалары, әдетте, олардың ҳәкимшилик орайлары атамасынан, усы ҳәкимшилик - аймақлық бирликлер жайласқан аймақ бөлегиниң географиялық яки тарийхый атамасынан келип шығыўы керек. Транспортлық ҳәм инженерлик-техникалық инфраструктура объектлериниң, соның ишинде, аэропортлар, вокзаллар, портлар, пристанлар, разъездлер, темир жол станцияларының ҳәм басқа да объектлердиң атамалары, әдетте, олардың қасында жайласқан елатлы пунктлердиң яки олардың қурам бөлеклериниң, басқа да географиялық объектлердиң атамаларынан келип шығыўы керек. Төмендегилерге анық бирдей атама берилиўине жол қойылмайды: Қарақалпақстан Республикасы көлеминдеги районларға, қалаларға; Қарақалпақстан Республикасы көлеминдеги посёлкаларға, аўылларға; бир район, қала яки елатлы пункт көлеминдеги бир неше түрлес географиялық объектлерге. 5-статья. Географиялық объектлердиң атамаларын өзгертиўге байланыслы талаплар Географиялық объектлердиң атамаларын өзгертиўге төмендеги жағдайларда жол қойылады: географиялық объекттиң  белгиленген мақсети анық өзгергенде; айырым географиялық объектлердиң тарийхый атамаларын тиклеў зәрүр болғанда; егер географиялық объект географиялық объектлердиң атамалары ҳаққындағы нызам актлериниң талапларына муўапық келмейтуғын қысқарған сөз, сан яки сөз дизбеги менен белгиленген болса; географиялық объектлерге усы Нызамның 4-статьясының үшинши бөлиминде нәзерде тутылған шахслардың аты-фамилиясын бериў зәрүр болғанда; географиялық объектлердиң усы Нызамның 4-статьясының жетинши бөлиминде нәзерде тутылған бир қыйлы атамалары бар болғанда.  6-статья. Географиялық объектлердиң атамаларын белгилеў Географиялық объектлердиң атамалары аймақты картографиялаў, топонимикалық изертлеўлер өткериў ўақтында, сондай-ақ, географиялық объектлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў туўралы усыныслар таярланып атырғанда: тийисли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳүжжетлери; рәсмий картографиялық ҳәмде мағлыўматнама басылымаларының, статистикалық, архивке тийисли, тарийхый ҳәм басқа дереклердиң мағлыўматлары; жергиликли халық, сондай-ақ үлкетаныўшылар, географлар, тарийхшылар ҳәм басқа да қәнигелер арасында сораўлар өткериў тийкарында белгиленеди. Географиялық объектлердиң атамаларын белгилеўде: жергиликли халықтың турмысының географиялық, тарийхый, миллий, этникалық, тилге байланыслы ҳәм басқа да өзгешеликлери есапқа алынады; географиялық объектлердиң атамаларының жаңылысыўына алып келиўши уқсаслығы, усы атамалардың ҳүрметсизлик мазмунда болыўына, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халықларының тарийхы, дәстүрлери ҳәм мәдениятына жат болыўына жол қойылмайды.

 II БАП. МӘМЛЕКЕТЛИК ЎЙЫМЛАРДЫҢ ГЕОГРАФИЯЛЫҚ ОБЪЕКТЛЕРГЕ АТАМА БЕРИЎ ҲӘМ ОЛАРДЫҢ АТАМАЛАРЫН ӨЗГЕРТИЎГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ЎӘКИЛЛИКЛЕРИ ҲӘМ ЎАЗЫЙПАЛАРЫ

 7-статья. Районларға, қалаларға, поселкаларға, аўылларға, елатлы пунктлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў Районларға, қалаларға, поселкаларға, аўылларға, елатлы пунктлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў районлардың, қалалардың ҳәкимлериниң усынысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен әмелге асырылады. Районларға, қалаларға, поселкаларға, аўылларға, елатлы пунктлерге ҳәм олардың қурам бөлеклерине атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў ҳаққындағы усынысларды қарап шығыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен географиялық объектлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў мәселелери бойынша Қарақалпақстан Республикасы комиссиясы (буннан кейинги текстте республика комиссиясы деп жүргизиледи) дүзиледи. Район, қала ҳәкими жергиликли халық, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлердиң пикирлерин есапқа алған ҳалда районларға, қалаларға, посёлкаларға, аўылларға, елатлы пунктлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў туўралы усыныс таярлайды ҳәм оларды тийисли ҳүжжетлер менен бирге жуўмақ алыў ушын республика комиссиясына жибереди. Республика комиссиясы усынылған ҳүжжетлердиң ҳәр тәреплеме үйренилип шығылыўын шөлкемлестиреди, географиялық объектлердиң атамалары туўралы нызамның талапларына муўапықлығы яки муўапық емеслиги көз-қарасынан оларды мәмлекетлик экспертизадан өткериў ушын Кадастр агентлигине бир ай мүддет ишинде қарап шығып жуўмақ бериўи ушын тапсырады. Республика комиссиясы өткерилген жумыстың жуўмақлары бойынша ҳәм мәмлекетлик экспертиза нәтийжелерин есапқа алған ҳалда тийисли жуўмақ береди, бул жуўмақ географиялық объектке атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў туўралы усыныс киргизген район, қала ҳәкимине жибериледи. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Район, қала ҳәкими республика комиссиясының жуўмақларын есапқа алған ҳалда, географиялық объектлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў туўралы усыныслар таярлайды ҳәмде оларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине қарап шығыў ушын киритеди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси район, қала ҳәкиминиң усынысын қарап шығады ҳәм тийисли шешим қабыл етеди.  8-статья. Елатлы пунктлердиң қурам бөлеклерине атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў Елатлы пунктлердиң қурам бөлеклерине (мәкан-кеңеслер, гүзарлар, көшелер, майданлар, бағлар, қыябанларға) атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлердиң өтинишлери тийкарында районлар, қалалардың ҳәкимлери киргизген усыныс бойынша халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслери тәрепинен әмелге асырылады. Елатлы пунктлердиң қурам бөлеклерине атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў туўралы усынысларды қарап шығыў ҳәм таярлаў ушын районлар, қалалардың ҳәкимлери тәрепинен географиялық объектлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў мәселелери бойынша районлық, қалалық комиссиялар (буннан кейинги текстте районлық, қалалық комиссиясы деп жүргизиледи) дүзиледи. Район, қала ҳәкими пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлердиң елатлы пунктлериниң қурам бөлеклерине (мәкан-кеңеслер, гүзарлар, көшелер, майданлар, бағлар, қыябанларға) атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў мәселелери бойынша өтинишлерин қарап шығады ҳәм оларды зәрүр ҳүжжетлери менен бирге усыныслар таярлаў ушын районлық, қалалық комиссиясына жибереди. Районлық, қалалық комиссия усынылған ҳүжжетлерди географиялық объектлердиң атамалары туўралы нызамшылық талапларына муўапықлығы яки муўапық емеслиги көз-қарасынан қарап шығады, кейин республика комиссиясына киргизиў ушын усыныслар таярлайды ҳәм оларды район, қала ҳәкимине жибереди. Район, қала ҳәкими елатлы пунктлердиң қурам бөлеклерине (мәкан-кеңеслер, гүзарлар, көшелер, майданлар, бағлар, қыябанларға) атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў мәселелери бойынша районлық, қалалық комиссиясы тәрепинен қарап шығылған усынысларды, тийислисинше, республика комиссиясына киргизеди, комиссия таярланған материаллардың географиялық объектлердиң атамалары туўралы нызамшылық талапларына муўапықлығы яки муўапық емеслиги көз-қарасынан ҳәр тәреплеме үйренип шығылыўын шөлкемлестиреди ҳәм тийисли жуўмақ береди. Район, қала ҳәкими тийислисинше республика комиссиясының жуўмағына муўапық елатлы пунктлердиң қурам бөлеклерине (мәкан-кеңеслер, гүзарлар, көшелер, майданлар, бағлар, қыябанларға) атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў мәселелери бойынша усыныслар таярлайды ҳәм оны халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси қарап шығыўы ушын киргизеди. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси район, қала ҳәкиминиң  усынысын қарап шығады ҳәм тийисли шешим қабыл етеди.  9-статья. Тәбийий объектлерге, транспортлық ҳәм инженерлик-техникалық инфраструктура объектлерине атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў Тәбийий объектлерге, транспортлық ҳәм инженерлик-техникалық инфраструктура объектлерине атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының, орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының усынысы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен әмелге асырылады. Тәбийий объектлерге, транспорт ҳәм инженерлик-техникалық инфраструктура объектлерине атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў туўралы усынысларды қарап шығыў республика комиссиясы тәрепинен әмелге асырылады. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының усынысларын қарап шығыў ушын қабыл етеди ҳәм оларды тийисли ҳүжжетлер менен жуўмақ алыў ушын республика комиссиясына жибереди. Республикалық комиссия усынылған ҳүжжетлердиң ҳәр тәреплеме үйренилиўин шөлкемлестиреди, географиялық объектлердиң атамалары туўралы нызамшылық талапларына муўапықлығы яки муўапық емеслиги көз-қарасынан оларды мәмлекетлик экспертизадан өткериў ушын Кадастр агентлигине бир ай мүддет ишинде қарап шығып, жуўмақ бериўи ушын тапсырады. Республика комиссиясы өткерилген жумыстың жуўмақлары бойынша ҳәмде мәмлекетлик экспертиза нәтийжелерин есапқа алған ҳалда тийисли жуўмақ береди, бул жуўмақ Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине усынылады. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси республика комиссиясының жуўмағын есапқа алған ҳалда, географиялық объектлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў мәселеси бойынша тийисли шешим қабыл етеди.  10-статья. Географиялық объектлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў мәселелери бойынша комиссиялардың тийкарғы ўазыйпалары Географиялық объектлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў мәселелери бойынша комиссиялардың тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат: Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халықларының тарийхый-мәдений қәдириятлары ҳәм мийрасы менен байланыслы географиялық объектлердиң атамаларын қорғаўды тәмийинлеў, тийкарсыз өзгертилиўиниң алдын алыў; географиялық объектлерге Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халықларының миллий салт-дәстүрлери ҳәм менталитетине жат болған атамалардың берилиўине ҳәм олардың атамалары усындай руўхта өзгертилиўине жол қоймаў; географиялық объектлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў ўақтында жерлеслик, ағайиншилик, хызмет дәрежесинен пайдаланыў ҳалларын болдырмаў. Усы Нызамның 4-статьясы талапларының ҳәм географиялық объектлердиң атамалары туўралы нызам ҳүжжетлериниң басқа қағыйдаларының районлық, қалалық комиссиялары тәрепинен орынланыўы үстинен қадағалаўды республика комиссиясы әмелге асырады. Комиссиялардың қурамы мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының, орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшылары ҳәм хызметкерлери, пуқаралық жәмийет институтларының, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ўәкиллери, сондай-ақ, илим ҳәм мәденият ғайраткерлери, экспертлер, қәнигелер ҳәм тийисли жумыс салаларында арнаўлы билимлерге ийе болған басқада шахслар арасынан шөлкемлестириледи. Республикалық комиссия, районлық, қалалық комиссиялары тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, районлар, қалалар ҳәкимликлериниң басшылары тәрепинен басқарылады. Республика комиссиясының, районлық, қалалық комиссияларының жумысын шөлкемлестириў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланады.  11-статья. Географиялық объектлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў бойынша усынысларға қосымша етилетуғын ҳүжжетлер Географиялық объектлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиўди әмелге асырыўшы уйымларға киритилетуғын географиялық объектлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў туўралы усынысларға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи: географиялық объектлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў зәрүрлигиниң, мақсетке муўапықлығының тийкарнамасы; географиялық объекттиң усынылып атырған атамасы; картография материаллары; географиялық объектлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиўге байланыслы тийисли есап-китаплар ҳәм қаржылардың дереклери; тийислисинше республика комиссиясы, районлық, қалалық комиссиялардың жуўмақлары; Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастры мәмлекетлик комитети тәрепинен өткерилген мәмлекетлик экспертизаның жуўмағы. Географиялық объектлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў туўралы усынысларға географиялық объектлердиң өзине сай өзгешелиги ҳәм белгиленген мақсети есапқа алынған ҳалда басқа ҳүжжетлерде қосымша етилиўи мүмкин.  

III БАП. ГЕОГРАФИЯЛЫҚ ОБЪЕКТЛЕРДИҢ АТАМАЛАРЫН МӘМЛЕКЕТЛИК ДИЗИМНЕН ӨТКЕРИЎ, ОЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲӘМ ОЛАРДЫ САҚЛАЎ

 12-статья. Географиялық объектлер атамаларының мәмлекетлик реестри Географиялық объектлер атамаларының мәмлекетлик реестри географиялық объектлердиң атамаларын мәмлекетлик дизимнен өткериў мақсетинде жүргизилетуғын, усы объектлердиң атамаларына байланыслы болған мағлыўматлардың системаластырылған топламынан ибарат. Географиялық объектлерге атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиўди әмелге асырыўшы уйымлар географиялық объектлерге атама берилгенлиги ҳәм олардың атамалары өзгертилгенлиги туўралы тийисли ҳүжжетлерди Географиялық объектлер атамаларының мәмлекетлик реестрине киргизиў ушын он күн мүддет ишинде Кадастр агентлигине усыныўы шәрт. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Географиялық объектлер атамаларының мәмлекетлик реестрине киргизилген географиялық объектлер атамалары ҳаққындағы мағлыўмат Кадастр агентлиги тәрепинен юридикалық ҳәм физикалық шахсларға белгиленген тәртипте бериледи. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген  13-статья. Географиялық объектлердиң атамаларынан пайдаланыў Географиялық объектлердиң дизимнен өткерилген атамалары: өз жумысларын әмелге асырып атырғанда мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен; оқыў басылмаларында, картографиялық, мағлыўматнамалық, энциклопедиялық басылмаларда, дағаза, реклама, жол белгилери, почта жөнелтпелеринде пайдаланыў ушын мәжбүрий есапланады. Географиялық объектлердиң дизимнен өткерилген атамаларынан басқа жағдайларда да нызам ҳүжжетлерине муўапық пайдаланыў мүмкин. Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан географиялық объектлер атамаларының жол белгилериндеги, маңлайшадағы жазыўлар ҳәм басқада көрсеткишлердеги жазыўлары мәмлекетлик тиллерде жазылады. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер өз ўәкилликлери шеңберинде Кадастр агентлиги менен келисилген ҳалда, географиялық объектлер атамаларының рәсмий каталоглары ҳәм мағлыўматнамаларын баспадан шығарады. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)  14-статья. Географиялық объектлердиң атамаларын сақлаў Географиялық объектлердиң атамалары мәмлекет тәрепинен қорғалады. Географиялық объектлердиң атамаларын биреўин басқасына өзбилдигинше алмастырыўға, географиялық объектлердиң бузылып көрсетилген атамаларынан пайдаланыўға жол қойылмайды.  15-статья. Географиялық объектлердиң атамаларының пайдаланылыўы ҳәм олардың сақланыўы үстинен қадағалаў Географиялық объектлердиң атамаларынан пайдаланыў ҳәм олардың сақланыўы үстинен қадағалаў белгиленген ўәкилликлер шеңберинде: мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары; республикалық комиссия; пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылады.

 IV БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР

 16-статья. Географиялық объектлердиң атамалары саласындағы жумысларды қаржыландырыў Географиялық объектлердиң атамалары саласындағы жумысларды қаржыландырыў Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан әмелге асырылады. Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан төмендегилер қаржыландырылады: географиялық объектлердиң атамаларын белгилеў, нормалластырыў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериў; географиялық объектлер атамаларының рәсмий каталоглары ҳәм мағлыўматнамаларын таярлаў ҳәм баспадан шығарыў. Елатлы пунктлердиң қурам бөлеклерине атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў тийисли жергиликли бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылады. Географиялық объектлерге мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының усынысы бойынша атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў усы уйымның жумысын қаржыландырыў нәзерде тутылған Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылады. Географиялық объектлерге хожалық басқарыў уйымларының усынысы бойынша атама бериў ҳәм олардың атамаларын өзгертиў Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары, сондай-ақ, усы уйымлардың қаржылары есабынан әмелге асырылыўы мүмкин.  17-статья. Тартысларды шешиў Географиялық объектлердиң атамалары саласындағы тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шешиледи.  18-статья. Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкерлик Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.