Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ВЕТЕРИНАРИЯ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ ВЕТЕРИНАРИЯ ҲАҚҚЫНДА (жаңа редекцияда) 10.06.2016 ж.  № 90/IX

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы

 I бап. Улыўма режелер

 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети ветеринария саласындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. 2-статья.  Ветеринария ҳаққындағы нызамшылық Ветеринария ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа да нызам актлеринен ибарат. Егер Өзбекистан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының ветеринария ҳаққындағы нызам актлеринде нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.  3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: биологиялық шығындылар - ҳайўанлардың өли денелери, ветеринариялық-санитариялық жақтан қәўипли деп табылған, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки зат, ветеринарияға тийисли биологиялық санаат шығындылары; ветеринария - ҳайўанлардың өмири ҳәм денсаўлығы қорғалыўын тәмийинлеўге, ҳайўанлар кеселликлери пайда болыўының, тарқалыўының алдын алыўға ҳәм оларды тоқтатыўға, халықты ҳайўанлар ҳәм адамлар ушын орталық болған кеселликлерден қорғаўға, Қарақалпақстан Республикасы аймағын ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлериниң алып кирилиўинен қорғаўға, ҳайўанларға ветеринариялық хызмет көрсетилиўин әмелге асырыўға, сондай-ақ  Қарақалпақстан Республикасы аймағының ветеринариялық тынышлығын, мәмлекетлик ветеринария хызмети қадағалаўы астындағы товарлардың ветеринариялық, ветеринариялық-санитариялық қәўипсизлигин тәмийинлеўге бағдарланған илимий ҳәм әмелий жумыс саласы; ветеринариялық, ветеринариялық-санитариялық қағыйдалар ҳәм нормалар - ветеринария саласындағы талапларды белгилеўши, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да уйымлар, юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен бойсынылыўы ушын шәрт болған ҳүжжетлер; ветеринариялық дәрилик затлар - келип шығыўы тәбийий ҳәм синтетикалық болған дәрилик затларынан (субстанцияларынан) ямаса дәрилик затларының (субстанцияларының) араласпасынан алынған, ҳайўанлар кеселликлери, профилактикасы, оларға диагноз қойыў ҳәм оларды емлеў, сондай-ақ ҳайўанлар организминиң жағдайы ҳәм функцияларын өзгерттириў ушын бағдарланған затлар; ветеринариялық тынышлық - ҳайўанлардың денсаўлығына кери тәсир етиўши затлардың тәсирлери, эпизоотия бар болмаған, сондай-ақ ҳайўанлардың жасаўы ушын қолайлы шараятлар тәмийинленетуғын жағдай; мәмлекетлик ветеринария хызмети қадағалаўындағы товарлар - ҳайўанлар, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки зат, ветеринариялық дәрилик затлар, микроорганизмлер штаммлары, азықлық жем ҳәм азықлық жем қосымшалары, ветеринариялық техника қураллары, сондай-ақ базарларда реализация етилетуғын өсимлик азық-аўқат өнимлери; келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним – гөш ҳәм гөш өнимлери, сүт ҳәм сүт өнимлери, балық ҳәм балық өнимлери, мәйек ҳәм мәйек өнимлери, сондай-ақ пал ҳәррешилик өнимлери; келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли шийки зат - ҳайўанлардан алынатуғын, қайта ислеўге арналған өнимлер; жарамсыз пункт - ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлериниң ошағы анықланған аймақ; от-жем - ҳайўанларды азықландырыў ушын пайдаланылатуғын, келип шығыўы өсимлик ҳәм ҳайўанатқа тийисли өнимлер; от-жем қосымшалары - ҳайўанлар рационында жетиспейтуғын азықлық ҳәм минерал затларының тийкары сыпатында пайдалынатуғын, келип шығыўы органикалық, минерал ҳәм синтетикалық затлар; шеклеўши илажлар (карантин) - ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлери ошақларының шеңбери кеңейип кетиўине жол қоймаўға ҳәм оларды тоқтатыўға, олардың таралыўының алдын алыўға қаратылған, хожалық жумыслары ҳәм басқа жумыстың айрықша тәртибин, халық, транспорт қураллары, жүклер ҳәм (ямаса) товарлар ҳәрекети шеклениўин нәзерде тутыўшы ҳәкимшилик, эпизоотияларға қарсы ис-илажлар ҳәм басқа да ис-илажлар; эпизоотия - тийисли аймақта ҳайўанлардың оғада қәўипли ҳәм басқа жуқпалы кеселликлериниң тарқалыўы; эпизоотияға қарсы илажлар – эпизоотияның алдын алыўға, оларды анықлаўға ямаса тоқтатыўға байланыслы шөлкемлестириў ҳәм арнаўлы ветеринариялық илажлар системасы; ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлери - пайда болыўына ҳайўанларға кеселликлердиң қозғатыўшылары тәсири себеп болатуғын, тарқалыўы ҳәм де басқа ҳайўанларға, адамға жуғыў итималы бар болған кеселликлер.

 II бап. Ветеринария ҳәм ветеринариялық тынышлықты тәмийинлеў саласын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў

 4-статья. Ветеринария саласындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары Ветеринария саласындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат: ветеринария саласындағы илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў; мәмлекет тәрепинен ветеринария саласындағы нормаларды белгилеў; мәмлекетлик ветеринариялық қадағалаўды әмелге асырыў; ветеринария саласындағы халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў.  5-стаья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ветеринария саласындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: ветеринария саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлейди; ветеринария саласындағы мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасады; ветеринария саласындағы аймақлық бағдарламаларды тастыйықлайды ҳәм олардың орынланыўы бойынша қадағалаўды әмелге асырады; мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының ветеринария cаласындағы жумысын муўапықластырып барады. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.  6-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ветеринария саласындағы ўәкилликлери Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары: ветеринария саласындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәмде аймақлық бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасады; тийисли аймақта ветеринариялық тынышлықты тәмийинлеўге қаратылған ис-илажларды көреди; эпизоотияға қарсы илажларды өткериўде тийисли аймақлық мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының жумысларын муўапықластырып барады. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.  7-статья. Қарақалпақстан Республикасы ветеринария комитетиниң ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы ветеринария комитети (буннан былай тексте Ветеринария комитети деп қолланылады): ветеринария саласындағы аймақлық бағдарламаларын ислеп шығады ҳәмде олардың әмелге асырылыўында қатнасады; ветеринария саласында норматив-ҳуқықый актлерди ислеп шығыўда қатнасады; ветеринария, ветеринария-санитариялық қағыйдалар ҳәм нормаларын ислеп шығыўда қатнасады; мәмлекетликлик ветеринариялық қадағалаўды әмелге асырады; ветеринария саласындағы жумысларды тиккелей әмелге асырыўшы ҳәм де илажлар менен бағдарламаларды жүзеге шығарыўда қатнасыўшы уйымлар ҳәм мәкемелердиң, сондай-ақ мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары ҳәмде жергиликли  мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының усы саладағы өз-ара бирге ислесиўин муўапықластырып барады; тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары менен биргеликте эпизоотияға қарсы илажлар өткерилиўин тәмийинлейди; ветеринариялық тынышлықты сақлаў, ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлерин ерте анықлаў, оларға диагноз қойыў ҳәм олардың тарқалыўының алдын алыўға байланыслы профилактикалық жумыслардың нәтийжелиги бойынша мониторингти әмелге асырады; республика аймағын ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлерин алып кирилиўинен қорғаўды, ҳайўанлардың ден саўлығы профилактикасы ҳәм емлеўдиң заманагөй усыллары кең қолланылыўын тәмийинлейди; ветеринария жумысын әмелге асырыўда лицензия алыў ушын усынылған ҳүжжетлерге жуўмақ береди, Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетине лицензия бериўге усынады; (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) ведомстволық ҳәм өндирислик ветеринария хызметиниң ҳайўанларды кеселликлерден қорғаў, ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки зат қәўипсизлигин  тәмийинлеўге байланыслы жумысты муўапықластырады. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетинызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)  8-статья. Ветеринария илажларын өткериўде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралардың қатнасыўы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары: ветеринария саласындағы мәмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық бағдарламаларды ҳәм басқа да бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасады; тийисли аймақта ветеринария саласында жәмийетшилик қадағалаўды әмелге асырады; тийисли аймақ халқына эпизоотия ҳәм жарамсыз пункт ҳаққында хабар береди. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары нызамшылыққа муўапық басқа да илажларда қатнасыўы мүмкин. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралар ветеринариялық тынышлықты тәмийинлеўде қатнасыўшы мәмлекетлик уйымларға ҳәм басқа да уйымларға көмеклесиўи ҳәмде зәрүр жәрдем көрсетиўи мүмкин.

III бап. Ветеринария системасы ҳәм оны басқарыў

 9-статья. Ветеринария хызмети системасы Ветеринария хызмети системасы мәмлекетлик, ведомстволық ҳәм өндирислик ветеринария хызметлеринен ибарат. 10-статья. Мәмлекетлик ветеринария хызметин басқарыў Мәмлекетлик ветеринария хызмети Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў  комитети, районлардың (қалалардың) ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў  бөлимлери, Республикалық хайўанлар кеселликлери ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги бойынша диагностикалық орайы, сондай-ақ, ветеринария участкалары, базарлардағы ветеринариялық-санитариялық экспертиза лабораторияларынан, шегара ҳәм транспорт ветеринария пуктлеринен (участкаларынан) ҳәм басқа да мәкемелерден ибарат. Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң баслығы Өзбекстан Республиксы Мәмлекетлик Ветеринария ҳәм шараўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети баслығы менен келисилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан босатылады. Районлардың (қалалардың) ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимлери баслықлары район (қала) ҳәкимлериниӊ усынысына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң баслығы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм босатылады. Мәмлекетлик шегара ҳәм транспорт ветеринария пунктлериниң (участкаларының) басшылары Өзбекстан Республиксы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң баслығы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм босатылады. Мәмлекетлик ветеринария хызметиниң басқа мәкемелери басшыларын лаўазымыға тайынлаў ҳәм босатыў тәртиби нызамшылық актлеринде белгиленеди. Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Өзбекстан Республиксы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетине ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине есабат береди. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)  11-статья. Мәмлекетлик ветеринария хызметиниң ўазыйпалары Мәмлекетлик ветеринария хызмети: а) эпизоотиялық мониторингти әмелге асырады; б) ҳайўан кеселликлериниң пайда болыўы ҳәм олардың набыт болыўы себеплерине таллаў ислейди, усы кеселликлердиң профилактикасы ҳәм де оларды емлеў бойынша усыныслар ислеп шығады; в) төмендеги бағдарлар бойынша мәмлекетлик ветеринария қадағалаўын әмелге асырады: Қарақалпақстан Республикасы аймағын ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлерин қозғатыўшылардың алып кирилиўинен қорғаў, сондай-ақ ҳайўанлар, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затлар, ветеринариялық дәрилик затлар, от-жем ҳәм азықлық қоcымшаларды таярлаў, алып өтиў (тасыў), экспорт ҳәм импорт қылыў; ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затты ветеринария, ветеринариялық-санитариялық қағыйдалары ҳәм нормаларына муўапық ислеп шығарыў; г) ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлериниң алдын алыў ҳәм оларды тоқтатыўға байланыслы ис-илажларды әмелге асырады; д) денсаўлықты сақлаў уйымлары ҳәм басқа уйымлар менен биргеликте ҳайўанлар ҳәм адам ушын қәўипли болған жуқпалы кеселликлердиң ошақларын сапластырады, сондай-ақ өз-ара мағлыўмат алмасыўды әмелге асырады; е) барлық шарўашылық объектлериниң, саллақханалардың, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затты қайта ислеўши кәрханалардың, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затты реализация ететуғын ҳәм сақлайтуғын саўда шақапшаларының, шийки зат сақлаўшы орынлардың ветеринариялық-санитариялық жағдайын қадағалайды, бул объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаўдың, сондай-ақ жер қазыў жумысларының ветеринариялық экспертизасын әмелге асырады; ж) ҳайўанлардың кеселликлерине диагноз қойыў, от-жемлердиң, сондай-ақ шарўашылық объектлеринде ишимлик суўының сапасын баҳалаў мақсетинде лаборатория тексериўлерин ҳәм де басқа да тексериўлерди өткереди; з) юридикалық ҳәм физикалық шахслардан ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлери тарқалыўының алдын-алыў ҳәм де олардың сапластырыўын тәмийинлеўши ис-илажлар өткерилиўин, сондай-ақ эпизоотиялық жағдайды анықлаў ушын зәрүр болған мағлыўматлар берилиўин талап етеди; и) ҳайўанлардың ҳәм адамның денсаўлығы ушын қәўип туўдыратуғын ҳайўанлардың жуқпалы кеселлиги анықланған жағдайда, ҳайўанларды сойыўға ямаса жоқ етип таслаўға, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затларды зыянсызландырыўға (жуғымсызландырыўға), қайта ислеўге ямаса утилизация етиўге байланыслы, юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий болған талапларды белгилейди; к) мәмлекетлик ҳәм ведомстволық ветеринария хызметлери ветеринария қәнигелериниң жумысларын қадағалайды ҳәм де муўапықластырып барады, сондай-ақ белгиленген талаплар ҳәм шәртлерде жеке ветеринария жумысын әмелге асырыўшы исбилерменлик субъектлери, физикалық шахслар тәрепинен әмел етиўи үстинен қадағалаўды белгиленген тәртипте әмелге асырады; (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) л) ветеринария тараўындағы илимий изертлеўлерди раўажландырыўға көмеклеседи.  12-статья. Мәмлекетлик ветеринария инспекторлары Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң баслығы Қарақалпақстан Республикасының бас мәмлекетлик ветеринария инспекторы болып, оның орынбасары Қарақалпақстан Республикасы бас мәмлекетлик ветеринария инспекторының орынбасары болып есапланады. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Районларлардың (қалалардың) ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимлериниң баслықлары тийисли районларлардың (қалалардың) бас мәмлекетлик ветеринария инспекторлары болып есапланады. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Ветеринария участкаларының ҳәм базарлардағы ветеринариялық-санитариялық экспертиза лабораторияларының менгериўшилери тийисли участкалардағы ҳәм базарлардағы мәмлекетлик ветеринария инспекторлары болып есапланады. Шегара ҳәм транспорттағы ветеринария пунктлериниң (участкаларының) баслықлары ҳәмде ветеринар врачлары тийисли шегара ҳәм транспорттағы ветеринария пунктлериниң (участкаларының) мәмлекетлик ветеринария инспекторлары болып есапланады.  13-статья. Мәмлекетлик ветеринария инспекторларының ўәкилликлери Бас мәмлекетлик ветеринария инспекторлары, олардың орынбасарлары ҳәм мәмлекетлик ветеринария инспекторлары өз ўәкилликлери шеңберинде: мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларына, юридикалық ҳәм физикалық шахсларға зәрүр ветеринария, ветеринариялық-санитариялық илажлары ҳәм эпизоотияға қарсы илажлар өткериў ҳаққында орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелер береди; ҳайўанлардың ҳәм адамның денсаўлығы ушын оғада қәўипли жуқпалы кеселликлер менен аўырған ҳайўанлар анықланған жағдайларда, усы ҳайўанларды сойыў ямаса жоқ етип таслаў ҳаққында, сондай-ақ жеўге жарамсыз деп табылған, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затты жоқ етип таслаў, қайта ислеў ямаса усы өним ҳәм шийки заттан басқа тәризде пайдаланыў ҳаққында юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелер береди; мәмлекетлик ветеринария хызмети қадағалаўындағы объектлерге тосқынлықсыз киреди ҳәм анықланған ветеринария ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлериниң бузылыўларын сапластырыў туўралы орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелер береди; темир жол вагонларының, кемелердиң, самолётлардың ҳәм басқа транспорт қуралларының жағдайы ветеринария, ветеринариялық-санитариялық қағыйдалары ҳәм нормаларына муўапық емеслиги анықланған жағдайда олардан пайдаланыўды қадаған етеди; ветеринариялық, ветеринариялық-санитариялық қағыйдалары ҳәм нормаларының бузылыўы анықланған жағдайда шарўашылық объектлеринен, гөш ҳәм сүт санааты кәрханаларынан, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затты қайта ислеўши ҳәм де сақлаўшы кәрханалардан пайдаланыўды қадаған етеди; ветеринариялық, ветеринариялық-санитариялық қағыйдалары ҳәм нормаларының бузылыўы анықланған жағдайда шарўашылық фермаларында, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затты қайта ислеўши ҳәмде сақлаўшы кәрханаларда жаңадан қурылған, тикленген ҳәм реконструкция исленген объектлерди иске түсириўди тоқтатып турады; ҳайўанлардың ийелери тәрепинен, сондай-ақ келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затты қайта ислеў, сақлаў ҳәм де олардың саўдасы менен шуғылланыўшы шөлкемлер тәрепинен ветеринария ҳаққындағы нызамшылықтың орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады; шегаралас районларда, қоңсы мәмлекетлерде жүзеге келген эпизоотиялық жағдай туўралы тийисли уйымлар ҳәм шөлкемлерге хабар береди, тийисли ветеринария илажларын әмелге асырады ҳәм де зәрүр усыныслар береди; ветеринариялық дәрилик затлар, от-жем қосымшалары ислеп шығарылыўын ҳәмде олардан шарўашылықта ҳәм ветеринарияда пайдаланыўды қадағалайды, олардың ҳайўанлар денсаўлығына ҳәм келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним және шийки зат сапасына тәсирин баҳалайды; ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлери ошақлары анықланған жағдайда тийисли аймақларды жарамсыз пунктлер деп жәриялаў ҳәм оларды шеклеўши илажлар (карантин) белгилеў туўралы, сондай-ақ ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлери ошақлары сапластырылғаннан кейин шеклеўши илажларды (карантинди) бийкарлаў ҳаққында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына усыныслар киритеди; ветеринария ҳаққындағы нызамшылық талапларын бузғанлығы ушын лаўазымлы шахсларға ҳәм басқа да шахсларға белгиленген тәртипте ҳәкимшилик жаза шараларын көреди. Усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған тийкарларға муўапық исбилерменлик субъектлериниң жумысын он жумыс күнинен көп болған мүддетке шеклеў, тоқтатып турыў ҳәм қадаған етиў суд тәртибинде әмелге асырылады. Бас мәмлекетлик инспекторлар, олардың орынбасарлары ҳәм мәмлекетлик ветеринария инспекторлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ўәкилликлерди де әмелге асырыўы мүмкин.  14-статья. Ведомстволық ветеринария хызмети Ведомстволық ветеринария хызмети ветеринария қадағалаўы ҳәм ветеринария хызмети талап етилетуғын министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм де ведомстволарға қараслы хызмет болып есапланады. Ведомстволық ветеринария хызмети өз жумысын нызамшылыққа муўапық әмелге асырады. Ведомстволық ветеринария хызметин методикалық жақтан тәмийинлеў Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети тәрепинен әмелге асырылады. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)  15-статья. Ведомстволық ветеринария хызмети ветеринария қәнигелериниң ҳуқықлары ҳәм миннетлери Ведомстволық ветеринария хызметиниң ветеринария қәнигелери: ведомстволық ветеринариялық қадағалаў объектлерине тосқынлықсыз кириў ҳәм ветеринария ҳаққындағы нызамшылықтың анықланған бузылылыўларын сапластырыў ҳаққында орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелер бериў; ведомствоға қараслы кәрханалар ҳәм шөлкемлерден ветеринария ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған, жуқпалы кеселликлер тарқалыўының алдын алыў ҳәм оларды сапластырыўды тәмийинлейтуғын ис-илажлар өткерилиўин, сондай-ақ эпизоотиялық жағдайды анықлаў ушын зәрүр болған мағлыўматлардың берилиўин талап етиў; ветеринария ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы лаўазымлы шахсларды ҳәм де басқа хызметкерлерди белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыў ҳаққында ведомствоға қараслы кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң ҳәкимшилигине қарап шығыў ушын усыныс киргизиў ҳуқықына ийе. Ведомстволық ветеринария хызметиниң ветеринария қәнигелери: хызмет көрсетилип атырған кәрханаларда, мәкемелерде ҳәм шөлкемлерде эпизоотияға қарсы илажларды, емлеў, ветеринариялық-санитариялық илажларын өткериўи; ведомстволық ветеринариялық қадағалаўды ҳәм де келип шығыўы ҳайўанатқа ҳәм өсимликке тийисли өнимниң, шийки заттың ветеринариялық-санитариялық экспертизасы өткерилиўин әмелге асырыўы; ҳайўанлардың оғада қәўипли жуқпалы кеселликлер менен аўырғанлығы ҳаққында гүман болған жағдайда бул ҳаққында мәмлекетлик ветеринария хызметине тезлик пенен хабар бериўи ҳәм кеселликтиң шеңбери кеңейип кетпеўи ушын барлық зәрүрли ис-илажларды көриўи; ветеринарияға тийисли статистикалық есабатларды жүритиў ушын мәмлекетлик ветеринария хызметине белгиленген тәртипте мәлимлеме бериўи шәрт. Ведомстволық ветеринария хызметиниң ветеринария қәнигелери нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы ҳәм олардың жуўапкершилигинде басқа миннетлер де болыўы мүмкин. 16-статья. Өндиристеги ветеринария хызметлери Жумысы шарўашылықты шөлкемлестириў ҳәм жүритиў, ҳайўанларды сақлаў, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затты, от-жемди, азықлық от-жем қосымшалары ҳәм де ҳайўанларды емлеў ушын арналған ветеринариялық дәрилик затларды ислеп шығарыў, қайта ислеў, сақлаў, тасыў ҳәм реализациялаў менен байланыслы болған кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер тәрепинен өз қаржылары есабынан өндирислик ветеринария хызметлери шөлкемлестирилиўи мүмкин. Өндиристеги ветеринария хызметлериниң ветеринария қәнигелери: кәрхананың, мәкемениң, шөлкемниң басшысынан ветеринария ҳаққындағы нызамшылықта нәзерде тутылған, жуқпалы кеселликлер тарқалыўының алдын алыў ҳәм оларды сапластырыўды тәмийинлейтуғын ис-илажлар өткерилиўин, сондай-ақ эпизоотиялық жағдайды анықлаў ушын зәрүр болған мағлыўматлардың берилиўин талап етиўи; хызмет көрсетилип атырған кәрханаларда, мәкемелерде ҳәм шөлкемлерде эпизоотияға қарсы илажларды, емлеў, ветеринариялық-санитариялық илажларын өткериўи; ҳайўанлардың күтә қәўипли жуқпалы кеселликлер менен аўырғанлығы ҳаққында гүман пайда болған жағдайда бул туўралы мәмлекетлик ветеринария хызметине тезлик пенен хабар бериўи ҳәм кеселликтиң шеңбери кеңейип кетпеўи ушын барлық зәрүр ис-илажларды көриўи; эпизоотия пайда болған жағдайда мәмлекетлик ветеринария хызметиниң көрсетпелери тийкарында ветеринариялық илажларды өткериўи шәрт. Өндиристеги ветеринария хызметлериниң ветеринария қәнигелери жуўапкершилигинде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин.  17-статья. Жеке ветеринария жумысы Юридикалық ҳәм физикалық шахслар нызам ҳүжжетлерине муўапық жеке ветеринария жумысын әмелге асырыўы мүмкин. Жеке ветеринария жумысын әмелге асырыў ушын (ветеринариялық емлеў-профилактикалық жумысы буннан тысқары) юридикалық ҳәм физикалық шахслар – исбилерменлик субъектлери Өзбекстан Республиксы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети тәрепинен берилетуғын лицензияға ийе болыўы шәрт. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы          ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жеке ветеринария хызметин әмелге асырыўшы исбилерменлик субъектлери: ҳайўанлардың кеселлигин анықлап диагноз қойыў ҳәм оларды емлеў менен шуғылланыў, буған ҳайўанлардың шеклеўши илажлар (карантин) яки нызам ҳүжжетлеринде белгиленген басқа шеклеўлер қолланылатуғын кеселликлер менен аўырыўы жағдайлары кирмейди; ҳайўанларды кеселлениўден сақлаў мақсетинде шаншыў илажларын өткериў, сондай-ақ ҳайўанлардың ийелерине мәсләҳәт бериў; ветеринариялық дәри ҳәм техникалық қуралларын, азықлық от-жем қосымшаларын ислеп шығарыў, таярлаў ҳәм реализациялаў менен шуғылланыў ҳуқықына ийе. Жеке ветеринария жумысын әмелге асырыўшы исбилерменлик субъектлери: ҳайўанларда жуқпалы кеселликтиң бар екенлиги ҳаққында гүман пайда болғанда бул ҳаққында мәмлекетлик ветеринария хызметине тезлик пенен хабар бериўи ҳәм кеселлик шеңбериниң кеңейип кетпеўи бойынша барлық зәрүр ис-илажларды көриўи; эпизоотия пайда болған жағдайда мәмлекетлик ветеринария хызметиниң көрсетпелери тийкарында ветеринария илажларын өткериўи шәрт. Жеке ветеринария хызметин әмелге асырыўшы исбилерменлик субъектлери нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы ҳәм олардың жуўапкершилигинде басқа миннетлер де болыўы мүмкин.

 IV бап. Ҳайўанлар, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки зат ийелериниң ҳуқықлары ҳәм миннетлери

 18-статья. Ҳайўанлар, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки зат ийелериниң ҳуқықлары Ҳайўанлардың, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли болған өним ҳәм шийки заттың ийелери: ветеринариялық хызмет көрсетиў ҳаққындағы тийисли ветеринария хызметлери, сондай-ақ жеке ветеринария жумысын әмелге асырыўшы исбилерменлик субъектлери менен шәртнамалар дүзиў; ҳайўанлардың кеселлениў жағдайы, эпизоотиялық жағдай туўралы, сондай-ақ ҳайўанларда, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затта өткерилген арнаўлы тексериўлер нәтийжелери туўралы ветеринария хызметинен мағлыўмат алыў; ҳайўанларды, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затты, от-жем, азықлық қосымшалар, ветеринариялық дәрилик затлар ҳәм техника қуралларын ветеринариялық, ветеринариялық-санитариялық қағыйдалар ҳәм нормаларына муўапық алыў ҳәм де реализациялаў, соның ишинде сырт елден алыў ҳәм реализациялаў; мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да уйымлардың нызамға қайшы қарарлары, усы уйымлардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға яки лаўазымлы шахсқа ямаса тиккелей судқа шағым етиў ҳуқықына ийе. Ҳайўанлардың, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки заттың ийелери нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин.  19-статья. Ҳайўанлар, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки зат ийелериниң миннетлери Ҳайўанлардың, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки заттың ийелери: ветеринария ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларына бойсыныўы; мәмлекетлик ветеринария хызметиниң көрсетпелерин орынлаўы; өзлерине тийисли ҳайўанлардың кеселликлериниң алдын-алыўға қаратылған шөлкемлестириўшилик-хожалық ҳәм ветеринариялық илажларын өз қаржылары есабынан әмелге асырыўы, Қарақалпақстан Республикасы бюджетинен қаржыландырылатуғын илажлар буннан тысқары; кесел ҳайўанды емлетиўи, зәрүр болған жағдайларда, тийисли ветеринария инспекторының көрсетпесине муўапық оның сойылыўын яки жоқ етип тасланыўын белгиленген тәртипте тәмийинлеўи; ҳайўанлардың тосаттан набыт болғанлығы ямаса өзгеше ҳәрекетлери фактлери туўралы сол аймаққа хызмет көрсетиўши мәмлекетлик ветеринария хызметине тезлик пенен хабар бериўи; ҳайўанларды жуқпалы кеселликлерден қорғаў бойынша тийисли карантин илажлары ҳәм басқа ветеринария илажлары өткерилиўин, сондай-ақ толық көлемде емлеў-профилактикалық илажлары жүргизилиўин тәмийинлеўи; шарўашылық имаратларын ҳәмде ҳайўанларды, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затты сақлаў ушын арналған басқа да имаратларды ветеринария, ветеринариялық-санитариялық қағыйдалары нормаларына муўапық сақлаўы; шарўашылық имаратларында ҳәм басқа да объектлерде дезинфекция, дезинсекция, дератизацияны өз ўақтында өткериўи; ҳайўанларды, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затты ветеринария, ветеринариялық-санитариялық қағыйдалары нормаларына бойсынған ҳалда реализация етиўди әмелге асырыўы; тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен тәрепинен дизимге алынбаған ветеринария дәрилик затларын ҳәм азықлық от-жем қосымшаларын шарўашылықта қолланбаўы; ҳайўанларды сойыўға байланыслы ветеринария, ветеринариялық-санитариялық қағыйдалары ҳәм нормаларына бойсыныўы шәрт. Ҳайўанлар, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки зат ийелериниң жуўапкершилигинде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин.

 V бап. Ветеринариялық тынышлықты ҳәм мәмлекетлик ветеринариялық қадағалаўды тәмийинлеў

 20-статья. Профилактикалық, диагноз қойыў ҳәм емлеў илажлары Профилактикалық илажлар ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлериниң пайда болыўы ҳәм тарқалыўының алдын алыўға қаратылған. Диагноз қойыў илажлары ҳайўанлардың кеселликлерин қозғатыўшылардың дереклерин, олардың ҳайўанларға ҳәм адамға өтиў факторларын анықлаў, сондай-ақ профилактика ҳәм де емлеў илажлары нәтийжелилигин баҳалаў мақсетинде өткериледи. Емлеў илажлары ҳайўанлардың өмири ҳәм денсаўлығын сақлап қалыўға, емлеў-профилактикалық тәсирине ийе болған ветеринариялық дәрилик затлар ҳәм де азықлық от-жем қосымшалар қолланылыўы нәзерде тутылған емлеўлерден пайдаланған ҳалда ҳайўанлардың өнимдарлығын сақлаў ҳәм асырыўға қаратылған.  21-статья. Лабораториялық тексериўлер Лабораториялық тексериўлер: ветеринария ҳәм ветеринариялық-санитариялық экспертизаның жуўмақларын таярлаў мақсетинде; мәмлекетлик ветеринариялық қадағалаўды әмелге асырыўда; ҳайўанның денсаўлығының жағдайын анықлаў, мәмлекетлик ветеринария хызмети қадағалаўы астындағы товарлар ҳәм биологиялық шығындылардың ветеринария, ветеринариялық-санитариялық қағыйдалар ҳәм де нормаларында белгиленген талапларына муўапықлылығын баҳалаў мақсетинде; илимий-изертлеў мақсетлеринде өткериледи. Ветеринария тараўындағы лабораториялық тексериўлер белгиленген тәртипте мәмлекетлик ветеринариялық лабораториялар ҳәм басқа да ветеринариялық лабораториялары тәрепинен өткериледи. Ветеринариялық лабораториялық-диагноз қойыў жумыслары юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен лицензия тийкарында әмелге асырылады.  22-статья. Мәмлекетлик ветеринариялық хызмет қадағалаўы астындағы товарларды ислеп шығарыў ҳәм олардың қолланылыўы дәўириндеги ветеринария талаплары Мәмлекетлик ветеринариялық хызмет қадағалаўы астындағы товарларды ислеп шығарыў ветеринария, ветеринариялық-санитариялық қағыйдалары ҳәм нормаларына муўапық өндирислик объектлерде әмелге асырылыўы керек. Базарларда, саўда орынларында ҳәм басқа да саўда объектлеринде келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затты, сондай-ақ базарларда реализация етилетуғын өсимлик азық-аўқат өнимлерин қабыллаў, сақлаў ҳәм де реализация етиў өткерилген ветеринариялық-санитариялық экспертиза жуўмағы тийкарында тәмийинленеди. Қарақалпақстан Республикасы аймағында қолланылатуғын ветеринариялық дәрилик затлар ҳәм азықлық от-жем қосымшалары ветеринария, ветеринариялық-санитариялық қағыйдалар ҳәм де нормаларына муўапық болыўы керек. Ветеринариялық дәрилик затлар ҳәм азықлық от-жем қосымшаларын мәмлекетлик дизимнен өткериў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте, олардың ветеринариялық экспертизасы ҳәм сынаўы нәтийжелерине муўапық әмелге асырылады. Ветеринариялық дәрилик затлар ҳәм азықлық от-жем қосымшаларын ислеп шығарыў, реализация етиў, олардан пайдаланыў ҳәм де оларды Қарақалпақстан Республикасына алып кириў тек ғана тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин әмелге асырылады.  23-статья. Биологиялық шығындылардың айланысы ҳәм жоқ етип тасланыўындағы ветеринариялық талаплар Биологиялық шығындылардан тек олардың ветеринариялық қәўипсизлигин тастыйықлаўшы ветеринариялық-санитариялық экспертизасы нәтийжелерине муўапық пайдаланыўға жол қойылады ямаса жоқ етип тасланады, шарўашылық шығындылары буған кирмейди. 24-статья. Қарақалпақстан Республикасы аймағын ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлериниң алып кирилиўинен қорғаў Қарақалпақстан Республикасының шегаралас районлары арқалы алып өтилип атырған мәмлекетлик ветеринария хызмети қадағалаўы астындағы товарлар мәмлекетлик ветеринария қадағалаўынан өткерилиўи шәрт. Эпизоотиялық жағынан тыныш болған басқа мәмлекетлерден мәмлекетлик ветеринария хызмети қадағалаўы астындағы товарлардың Қарақалпақстан Республикасы аймағына алып кирилиўине ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағынан алып шығылыўына, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы аймағы арқалы транзитине ветеринария, ветеринариялық-санитариялық қағыйдалары ҳәм нормаларына бойсынылған ҳалда жол қойылады. Мәмлекетлик ветеринария хызмети қадағалаўы астындағы товарлар Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан шегара ветеринария пунктлери (участкалары) арқалы алып өтиледи. Мәмлекетлик ветеринария хызмети қадағалаўы астындағы товарларды алып кириўден алдын юридикалық ҳәм физикалық шахслар экспорт ҳәм транзит қылыўшы мәмлекетлердеги эпизоотиялық жағдай ҳаққында мәмлекетлик ветеринария хызметинен бийпул мағлыўмат алыў ҳуқықына ийе.  25-статья. Мәмлекетлик ветеринариялық қадағалаў объектлери Төмендегилер мәмлекетлик ветеринариялық қадағалаў объектлерине киреди: ҳайўанлар, олардың жынысый ҳәм соматикалық клеткалары; ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлериниң қозғатыўшылары; келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки зат, базарларда реализация етилетуғын өсимлик азық-аўқат өнимлери, ветеринариялық дәрилик затлар ҳәм техника қураллары, азықлық от-жем ҳәм азықлық қосымшалар, патологиялық материал, биологиялық шығындылар, сондай-ақ суў, ҳаўа ҳәм топырақ үлгилери; ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлериниң қозғатыўшыларын жуқтырыў факторлары болыўы мүмкин болған транспорт қураллары, ыдыслар, жайластырыў-ораў материаллары; юридикалық ҳәм физикалық шахслардың ветеринария саласындағы жумысы; мәмлекетлик ветеринария хызмети қадағалаўы астындағы товарларды жетистиретуғын, таярлайтуғын, ислеп шығаратуғын, сақлайтуғын, қайта ислейтуғын, тасыйтуғын, реализация ислейтуғын ямаса олардан пайдаланатуғын юридикалық ҳәм физикалық шахслардың аймақлары ҳәм де өндирислик имаратлары; ҳайўанлар айдап өтилетуғын жоллар, жөнелислер, биотермик уралар, ҳайўанат қойымшылықлары, ҳайўанлар бағылатуғын жайлаўлардың ҳәм суўғарылатуғын жерлердиң аймақлары; ветеринариялық есап ҳәм есабатлар бойынша ҳүжжетлер; ветеринариялық актлер, лицензиялар, рухсатнамалар, мағлыўматнамалар, гүўалықлар ҳәм сертификатлар; мәмлекетлик ветеринария хызмети қадағалаўы астындағы товарларды ислеп шығарыў, таярлаў (сойыў), сақлаў ҳәм қайта ислеўге нормативлик-техникалық ҳүжжетлер.  26-статья. Эпизоотиялық мониторинг Эпизоотиялық мониторинг ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлерин қозғатыўшыларды анықлаў бойынша мағлыўматты системалы рәўиште жыйнаў ҳәм ислеўден өткериў болып есапланады. Эпизоотиялық мониторинг мәмлекетлик ветеринария хызмети тәрепинен төмендеги мақсетлерде әмелге асырылады: эпизоотиялық жағдайды болжаў, ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлери ҳәм усы кеселликлердиң қозғатыўшылары тарқалыўын шеклеў бойынша илажлар комплексин ислеп шығыў; шеклеўши илажларды (карантинди) белгилеў ямаса бийкарлаў туўралы шешим қабыл етиў; жумысы ҳайўанларды сақлаў, сойыў, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки затты қайта ислеў менен байланыслы болған кәрханалардағы, мәкемелердеги ҳәм де шөлкемлердеги эпизоотиялық жағдайды хожалық жумысы қәўипсиз әмелге асырылыўы ушын анықлаў; халықаралық саўда ҳәм мәмлекетлик ветеринария хызмети қадағалаўы астындағы товарларды тасыў ушын мәмлекеттеги эпизоотиялық жағдайды анықлаў.  27-статья. Мәмлекетлик ветеринария хызметиниң қадағалаўы астындағы товарларды алып қойыў, жоқ етип таслаў, зыянсызландырыў (жуғымсызландырыў) ҳәм қайта ислеў Ҳайўанлардың ҳәм адамның денсаўлығы ушын қәўип туўдыратуғын ҳайўанлар, келип шығыўы ҳайўанатқа тийисли өним ҳәм шийки зат олардың қәўиплилик дәрежесине қарап ветеринария, ветеринариялық-санитариялық қағыйдалары ҳәм нормаларына қарап мәжбүрий рәўиште алып қойылыўы ҳәм де жоқ етип тасланыўы ямаса алып қойылмаған жағдайда мәжбүрий рәўиште зыянсызландырылыўы (жуғымсызландырылыўы) ҳәм қайта ислениўи шәрт.  28-статья. Ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлериниң ошақлары анықланған жағдайда шеклеўши илажлар (карантин) Ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлериниң ошақлары анықланған жағдайда районлардың, қалалардың, посёлкалардың, аўыллардың белгили бир аймақларын жарамсыз пунктлер деп жәриялаў ҳәм оларда шеклеўши илажлар (карантин) енгизиў тийисли бас мәмлекетлик ветеринария инспекторларының усынысына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, қала ҳәм районлар ҳәкимлериниң шешимлери менен ямаса ямаса Өзбекистан Республикасы Бас Мәмлекетлик ветеринария инспекторының усынысына муўапық Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң шешими менен әмелге асырылады. Белгиленген мүддетлер өткеннен ҳәм ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлери ошақлары сапластырылғаннан кейин, сондай-ақ зәрүрли ветеринария илажлары өткерилгеннен соң районлардың, қалалардың, посёлкалардың, аўыллардың белгили бир аймақларындағы шеклеўши илажлар (карантин) тийисли бас мәмлекетлик ветеринария инспекторларының усынысына муўапық шеклеўши илажларды (карантинди) белгилеген Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, қала ҳәм районлардың ҳәкимлериниң шешимлери менен ямаса Өзбекистан Республикасы Бас Мәмлекетлик ветеринария инспекторының усынысына муўапық Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң шешими менен бийкар етиледи.

 VI бап. Жуўмақлаўшы режелер

 29-статья. Мәмлекетлик ветеринария хызметин тәмийинлеў ҳәм оны қаржыландырыў Мәмлекетлик ветеринария хызмети Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан тәмийинленеди. 30-статья. Мәмлекетлик ветеринариялық қадағалаўды әмелге асырыў бойынша жумысқа араласыўға жол қоймаў Мәмлекетлик ветеринариялық қадағалаў уйымларының жумысына араласыў, мәмлекетлик ветеринариялық қадағалаўды әмелге асырыўшы лаўазымлы шахслардың нызамлы жумысына тосқынлық етиў мақсетинде оларға ҳәр қандай түрде тәсир өткериў қадаған етиледи.  31-статья.  Тартысларды шешиў Ветеринария саласындағы тартыслар нызам актлеринде белгиленген тәртипте шешиледи.  32-статья. Ветеринария ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик Ветеринария ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов

Нөкис қаласы, 10-июнь 2016-жыл № 90/IX