Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Қарақалпақстан Республикасының социаллық, экономикалық, соның ишинде, өндирис ҳәм инвестиция потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, исбилерменлик жумысын раўажландырыў ҳәм жоқары қосымша қунға ийе бәсекилес өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў, исбилерменлерге көрсетилетуғын финанслық хызметлер көлемин кеңейтиў, инфраструктуралық шараятларды жаратып бериў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм аймақтың экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде:
- Қарақалпақстан Республикасының экономика тармақларында инновациялық процесслердиң жеделлесиўине ерисиў, ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм аймақты жедел пәтлерде раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:
- Қарақалпақстан Республикасында аймақтың инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў, жаслар бәнтлигин тәмийинлеў бағдары шеңберинде:
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик жумысын раўажландырыў ушын коммерциялық банклерге ҳәм «Әмиўдәрья дельтасында киши суў бассейнлерин қурыў. Фаза II» жойбары шеңберинде қаржыландырыў жумысларын шөлкемлестириў ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының (кейинги орынларда - Қор) қаржылары есабынан 100 миллион АҚШ доллары эквивалентинде төмендеги шәртлер ҳәм бағдарлардағы кредит линиясын ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ж.Ходжаев) жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
- Қарақалпақстан Республикасы аймағында 2022-жыл 15-сентябрьден баслап 2025-жыл 1-январьға шекем, бурынғысынан басқаша тәризде, жер участкаларын тиккелей ижараға бериў мақсетинде ири инвестициялық жойбарды әмелге асырыў ушын ең жақсы усынысты таңлап алыўды:
- Төмендегилер мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
- Қарақалпақстан Республикасында халықтың турмыс шараятын және де жақсылаў ҳәм республикадағы социаллық-экономикалық машқалаларды шешиў және аўыр шараятлы аймақларды қоллап-қуўатлаўға бағдарлаў мақсетинде 2022-жыл 3-шеректен баслап 2024-жылдың ақырына шекем ҳәр шеректиң жуўмағында қосымша қун салығы бойынша дәраматлар прогнозының арттырып орынланған бөлеги, бурынғысынан басқаша тәризде, толық Қарақалпақстан Республикасында қалдырылсын.
- Қарақалпақстан Республикасында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бағдары шеңберинде:
- Қарақалпақстан Республикасында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди көбейтиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў және қолайлы агробизнес орталығын жаратыў бағдары шеңберинде:
- Қарақалпақстан Республикасында билимлендириў тараўында қосымша имканиятлар ҳәм инсан капиталы раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге шараят жаратыў бағдары шеңберинде;
- Қарақалпақстан Республикасында социаллық қорғаў бағдарламалары менен қамтыў көлемин кеңейтиў шеңберинде 2022-жыл 15-сентябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятларында жасайтуғын жасына байланыслы пенсия ҳәм напақа алатуғынлар, майыплығы болған адамлар ушын темир жол ҳәм авиажолаўшылар ушын билетлерди сатыў 50 процентлик жеңилликли тарифлер бойынша әмелге асырылсын және жолаўшы тасыўшы компаниялардың усы жеңилликти бериўге байланыслы қәрежетлери Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети қаржыларының есабынан қаплап берилсин.
- Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, машқалаларды сапластырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қаржы министрлиги 2022-жыл 1-октябрьге шекем «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы анықланған кем тәмийинленген шаңарақларға қыс мәўсимин қосымша шығынсыз өткериў ушын (көмир, суйылтырылған газ, азық-аўқат, басқа да зәрүрликлер ушын) ҳәр бир кем тәмийинленген шаңараққа базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем пуллар ажыратыў ушын Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджетине Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен қосымша 100 миллиард сумға шекем қаржы ажыратсын.
- А-380 «Ғузар –Бухара – Нөкис – Бейнеў» халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолының Қарақалпақстан Республикасы аймағынан өткен бир бөлеги бойлап жол бойы инфраструктурасын раўажландырыў, соның ишинде, саўда ҳәм сервис объектлерин жайластырыў мақсетинде:
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси еки ай мүддетте:
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш,Вафоев) жылдың ақырына шекем А-380 «Ғузар –Бухара – Нөкис – Бейнеў» халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолының Төрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районларынан өткен бөлегин реконструкциялаўға халықаралық финанс институтларынан дәслепки есап-санақларға тийкарланып 160 миллон АҚШ доллары муғдарындағы қаржылар тартылыўын тәмийинлесин.
- Министрлер Кабинети (А.Раматов) Қурылыс министрлиги, Кадастр агентлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен биргеликте еки ай мүддетте Қарақалпақстан Республикасының районларында халық ушын жеке тәртиптеги турақ жайлар қурыў ушын жер участкаларын бериў ҳәм 2023-2026-жылларда көп қабатлы ҳәм жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў параметрлерин тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарын ислеп шықсын.
- Усы Пәрманның 8-бәнти «б» киши бәнтиниң үшинши абзацында ҳәм 10-бәнтиниң «г» киши бәнтинде нәзерде тутылған қағыйдалар Өзбекстан Республикасының барлық аймағына енгизиледи.
- Қаржы министрлиги Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси және мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманның 2-бәнти ҳәм 10-бәнтиниң «г» киши бәнтинен келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ғалаба хабар қураллары менен биргеликте турақлы түрде:
- Әдиллик министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылыққа усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 31-август