Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ТӘБИЯТТЫ ҚОРҒАЎ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ ТӘБИЯТТЫ ҚОРҒАЎ ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакция)

 Бул редакция 03.03.2006-ж. 76/III-санлы ҚР Нызамы менен тастыйықланған  Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамы 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы 30.11.2021-ж. 180/XXIII -санлы ҚР Нызамы

I бап. Улыўма режелер

 1-статья. Тәбиятты қорғаў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасының нызам ҳүжжетлери Қарақалпақстан Республикасында тәбиятты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы қатнасықлар усы Нызам менен, сондай-ақ жер, суў, тоғай, жер асты байлықлары ҳаққында, атмосфера ҳаўасын, өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызамлар ҳәм Қарақалпақстан Республикасының басқа да нызам ҳүжжетлери менен тәртиплестириледи. 2-статья. Тәбиятты қорғаў объектлери ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақлар Тәбиятты қорғаў объектлери (жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы, атмосфера ҳаўасы) патасланыўдан, бузылыўдан, зыянланыўдан, қуртылыўдан, қыйраўдан, жоқ болып кетиўден, парықсыз пайдаланыўдан қорғалыўы тийис. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар қатарына мәмлекетлик қорықханалар, комплексли (ландшафт) буйыртпа қорықханалар, тәбият бағлары, мәмлекетлик  тәбият естеликлери, айрым тәбийғый объектлер ҳәмде комплекслерди сақлап қалыў, қайта көбейтиў ҳәм тиклеў ушын арналған аймақлар, қорықланатуғын ландшафтлар, айрым тәбийғый ресурсларды басқарыў ушын арналған аймақлар, мәмлекетлик биосфера резерватлары, миллий бағлар мәмлекетлер аралық қорғалатуғын тәбийғый аймақлар киреди. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы, 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)  3-статья. Тәбиятты қорғаўдағы мақсетлер Тәбиятты қорғаўдағы мақсетлер төмендегилерден ибарат: адамлардың ден саўлығы ушын, экологиялық тең салмақлылықты сақлаў ушын, республиканы социаллық-экономикалық жақтан нәтийжели ҳәм турақлы раўажландырыў мәплери жолында тәбияттан ақылға уғрас ҳәм оны истен шығармайтуғын етип пайдаланыў ушын қолайлы жағдайлар жаратыў; жанлы тәбият түрлериниң байлығын ҳәм генетикалы фондын сақлап қалыў; экологиялық системалардың, ландшафтлардың ҳәм сийрек гезлесетуғын тәбийғый объектлердиң көп түрлилигин сақлап қалыў; экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў; тәбият объектлери менен байланыслы материаллық мәдений мийрас объектлерди сақлап қалыў. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 4-статья. Тәбиятты қорғаў мақсетлерине ерисиў Тәбиятты қорғаў мақсетлерине ерисиў ушын жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, министрликлер ҳәм мәкемелер, кәрханалар, шөлкемлер, фермер ҳәм кооператив хожалықлары, сондай-ақ айырым шахслар хожалық, басқарыў ҳәм басқа да жумысларды әмелге асырыў барысында төмендеги принциплерди басшылыққа алыўы шәрт; адамның жасаў орталығы болған биосфера ҳәм экологиялық системалардың турақлылығын сақлаў, адамлардың экологиялық жақтан қәўипсизлигине, адамның ҳәм оның келешек әўладларының генетикалық фондына ғамхорлық етиў; пуқаралардың жасаўы ушын қолайлы тәбийғый орталыққа ийе болыў ҳуқықын тәмийинлеў, барлық түрдеги билимлендириў мәкемелеринде экологиялық оқыўдың мәжбүрийлиги; жәмийеттиң экологиялық, экономикалық ҳәм социаллық мәплерин илимий жақтан тийкарлы байланыстырыў; тәбияттан арнаўлы пайдаланғанлығы ушын ҳақы төлеў ҳәм улыўма тийкарларда пайдаланғанлығы ушын ҳақы төлемеў; экологиялық экспертиза өткериўдиң мәжбүрийлиги; тәбияттан ақылға уғрас пайдаланыўды ҳәм тәбиятты қорғаўды хошаметлеў; тәбийғый ресурсларды қайта тиклеў зәрүрлиги, қоршап турған тәбийғый орталық ҳәм адамның денсаўлығы ушын зыянлы, дүзетип болмайтуғын ақыбетлерге жол қоймаў; тәбиятты қорғаў ўазыйпаларын әмелге асырыўдағы жәриялылық; тәбиятты қорғаў тараўында миллий, регионаллық ҳәм халық аралық мәплерди байланыстырыў; тәбиятты қорғаў нызамларының талапларын бузғанлығы ушын жуўапкершилик. 5-статья. Тәбийғый ресурсларға меншиклик Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына муўапық, жер, жер асты байлықлары, суў, өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясы ҳәм басқа да тәбийғый ресурслар улыўма халықлық байлық болып табылады, олардан ақылға уғрас пайдаланыў зәрүр ҳәм олар мәмлекет тәрепинен қорғалады. Тәбийғый ресурсларды бериў, олардан пайдаланыў ҳәм қорғаў шәртлери, тәртиби Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының нызамлары менен белгиленеди. 6-статья. Тәбияттан улыўма ҳәм арнаўлы рәўишлерде пайдаланыў Қарақалпақстан Республикасында тәбияттан улыўма ҳәм арнаўлы рәўишлерде пайдаланылады. Тәбияттан улыўма рәўиште пайдаланыў пуқаралар тәрепинен жасаў ушын зәрүрли талапларын қанаатландырыў ушын бийпул тәбийғый ресурсларды айырым пайдаланыўшыларға бекитпей ҳәм ҳеш қандай рухсатнамалар берилместен әмелге асырылады. Тәбияттан арнаўлы рәўиште пайдаланыў ушын кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм пуқараларға өндирислик ҳәм басқа да жумысты әмелге асырыў ушын тәбийғый ресурслар ҳақы алынып, арнаўлы рухсатнамалар тийкарында ийелик етиўге, пайдаланыўға ямаса ижараға бериледи.

II бап. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының тәбиятты қорғаў бойынша ҳуқықый қатнасықларды тәртиплестириў саласындағы ўәкилликлери     

7-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тәбиятты қорғаў бойынша ҳуқықый қатнасықларды тәртиплестириў саласындағы ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тәбиятты қорғаў бойынша ҳуқықый қатнасықларды тәртиплестириў саласындағы ўәкиллигине төмендеги мәселелер киреди; тәбиятты қорғаў саласындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын белгилеў; мәмлекетлик экологиялық бағдарламаларды тастыйықлаў; тәбиятты қорғаў саласындағы нызамларды ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў; аймақларды айрықша экологиялық жағдай, экологиялық апатшылық ҳәм экологиялық бүлгиншилик зоналары деп жәриялаў, бундай зоналардың ҳуқықый режимин ҳәм жәбирлениўшилердиң статусын белгилеў; тәбиятты қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери орынланыўын қадағалаўды муўапықластырып барыў; тәбийғый ресурслардан пайдаланғанлығы ушын ҳақының шекленген муғдарларын белгилеў, сондай-ақ төлемлерди өндириў бойынша жеңилликлер белгилеў; нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқада мәселелерди шешиў.  8-статья. Экология ҳәм қоршап турған тәбийғый орталықты қорғаў саласындағы мәмлекетлик басқарыў Экология, қоршап турған тәбийғый орталықты қорғаў, тәбият ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қайта тиклеў саласындағы мәмлекетлик басқарыў нызамлар ҳәм басқа да нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлерге муўапық Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен әмелге асырылады. 9-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң тәбиятты қорғаў саласындағы ўәкилликлери Тәбиятты қорғаў саласында: тәбиятты қорғаўдың бирден-бир сиясатын жүргизиў; тәбийғый ресурслардан пайдаланыўды тәртиплестириў; тәбийғый ресурслардың мәмлекетлик кадастры жүргизилиўи тәртибин белгилеў ҳәм бундай кадастр жүргизилиўин тәмийинлеў, республикалық әҳмийетке ийе тәбийғый ресурслардың резервлерин тастыйықлаў; экологиялық аўыр жағдайлардың, тәбийғый апатшылықлардың ҳәм бүлгиншиликлердиң алдын алыў бойынша илажларды ислеп шығыў; тәбийғый апатшылықлардың ҳәм ири авариялардың ақыбетлерин сапластырыў бойынша илажларды әмелге асырыў; тәбийғый ресурслардан пайдаланғанлығы, қоршап турған тәбийғый орталықты патаслағанлығы, шығындылар, зыянлы тәсир етиўши басқада нәрселер жайластырылғанлығы ушын ҳақы төлеў тәртибин, сондай-ақ тәбийғый ресурслардан пайдаланыў, шығындыларды жайластырыў лимитлерин белгилеў; экологиялық билимлендириў ҳәм тәрбиялаў системасын дүзиў, оның ҳәрекет етиўин тәмийинлеў; тәбияттан айрықша тәртипте пайдаланылатуғын аймақлардың шегараларын, тәбиятты қорғаў ҳәм хожалық жумысы режимлерин тастыйықлаў; Қарақалпақстан Республикасының нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа да илажларды әмелге асырыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ўәкилликлерине киреди. 10-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының тәбиятты қорғаў саласындағы ўәкилликлери Тәбиятты қорғаў саласында; өз аймағында тәбиятты қорғаўдың тийкарғы бағдарларын белгилеў, аймақтың экологиялық бағдарламасын тастыйықлаў; тәбийғый ресурсларды есаплаў ҳәм олардың жағдайын баҳалаў, экологиялық зыянлы объектлерди дизимге алыў; тәбиятты қорғаў бойынша илажларды материаллық-техникалық жақтан тәмийинлеў; тәбийғый ресурслардан пайдаланыў ҳуқықын бериўши рухсатнамаларды белгиленген тәртипте бериў; (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамы, 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) тәбийғый ресурслардан пайдаланғанлығы ушын төлемлерди өндириў; тәбиятты қорғаў үстинен қадағалаўды орнатыў, қоршап турған орталыққа зыянлы тәсир жасаўшы жергиликли әҳмийетке ийе объектлердиң жумысын ўақытша ямаса пүткиллей тоқтатыў ҳәм қайта қәнигелестириў ҳаққында шешимлер қабыл етиў; Қарақалпақстан Республикасының нызамларында нәзерде тутылған басқа да мәселелерди ретлестириў жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының ўәкиллигине киреди. 11-статья. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў  комитетиниң ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў  комитети: экология, қоршаған орталықты қорғаў, табийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қайта тиклеў саласында мәмлекетлик  басқарыўды; шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў ҳаққындағы нызам актлерине  бойсынылыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды; жер, жер асты байлықларын, суў, тоғай, қорғалатуғын табийғый аймақларды, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясын қорғаў ҳәмде олардан пайдаланыў, атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳаққындағы нызам актлерине бойсынылыўы үстинен мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды; экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға байланыслы жумысларды муўапықластырыўды, тәбиятты қорғаў ҳәм ресурсларды үнемлеў бойынша бирден-бир сиясатты әмелге асырыўда мәкемелер аралық бирге ислесиўди тәмийинлеўди әмелге асырады. Қарақалпақстан Республикасының Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў  комитети  нызам актлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў  комитети  өз жумысында жоқары турыўшы уйымларға есап береди. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў  комитетиниң өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл еткен шешимлери меншик түрине ҳәм ведомстволық бағыныўына қарамастан мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, хожалық жүритиўши субъектлер ҳәмде пуқаралар тәрепинен орынлаўы ушын мәжбурий болып табылады.

III бап. Қарақалпақстан Республикасы халқының тәбиятты қорғаў саласындағы ҳуқықлары ҳәм миннетлери

12-статья. Инсанның жасаўы ушын қолайлы тәбийғый орталыққа ийе болыў ҳуқықы ҳәм бул орталықты сақлап қалыў бойынша миннетлери Қарақалпақстан Республикасының халқы өз денсаўлығы ҳәм келешек әўладлар денсаўлығы ушын қолайлы тәбийғый орталықта жасаў, өз ден саўлығын қоршап турған орталықтың зыянлы тәсиринен қорғаў ҳуқықына ийе. Бул мақсетте Қарақалпақстан Республикасының халқы тәбиятты қорғаў бойынша жәмийетлик шөлкемлерге бирлесиў, қоршап турған тәбийғый орталықтың жағдайы ҳәм оны қорғаў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында мағлаўматты талап етиў ҳәм алыў ҳуқықына ийе. Қарақалпақстан Республикасының халқы тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўы, тәбияттың байлықларына итиятлы қараўы, экологиялық талапларға бойсыныўы шәрт. 13-статья. Тәбиятты қорғаў бойынша жәмийетлик бирлеспелердиң ўәкилликлери Тәбиятты қорғаў саласында жумыс алып барыўшы жәмийетлик бирлеспелердиң ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасының нызамларына муўапық қабыл етилген уставлары менен белгиленеди.

 IV бап. Қоршап турған тәбийғый орталықтың  сапасын нормативлер менен тәртиплестириў

 14-статья. Қоршап турған тәбийғый орталықтың сапасының нормативлери ҳәм стандартлары Хожалық жумысының қоршап турған тәбийғый орталыққа зыянлы тәсири қоршап турған тәбийғый орталықтың сапасының халықтың экологиялық жақтан қәўипсизлигине, тәбийғый ресурсларды тиклеў ҳәм қорғаўға кепиллик бериўши нормативлери ҳәм стандартлары менен шеклеп қойылады. 15-статья. Экологиялық нормативлерди ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў Кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер қоршап турған орталыққа тәсириниң жол қойылыўы мүмкин болған ең жоқары дәрежелерин тәртиплестириўши экологиялық ҳәм басқа да өлшемлерди ислеп шығыўы шәрт. Химиялық препаратларды аўыл хожалығында пайдаланыўға Қарақалпақстан Республикасы нызамларына муўапық рухсат етиледи.

V бап. Тәбийғый ресурслардан пайдаланыўды тәртиплестириў

 16-статья. Тәбийғый ресурслардан пайдаланыў шәртлери Тәбийғый ресурслардан пайдаланыўға тәбиятты қорғаў ҳаққындағы нызам актлерине әмел етиў, тәбият бирликлериниң пүтинлигин сақлап қалыў, жанлы тәбият объектлериниң жасаў ҳәм өсиў орталығының бузылыўына жол қоймаў, басқа тәбийғый ресурслардан пайдаланыўшылардың ҳуқықларының бузылмаўы шәрти менен жол қойылады. 17-статья. Топырақтан пайдаланыў шәртлери Топырақ делингенде жер қабығының тиришилик ушын пайдаланылатуғын ҳәм өсимликлер жайласқан жоқары өнимдарлы қатламы түсиниледи. Топырақтан оның өнимдарлығын төменлетпестен тәбийғый ҳәм мәдений дақыллардан зүрәәт алыў ушын пайдаланылады. Топырақтың қурылыс астында қалатуғын гумуслы қатламы басқа жерлердиң ҳасылдарлығын арттырыў ушын алып кетилиўи тийис. 18-статья. Жер асты байлықлары ҳәм пайдалы қазылма байлықлардан пайдаланыў шәртлери Жер асты байлықлары  ҳәм пайдалы қазылма байлықлардан пайдаланыўға төмендеги шәртлер тийкарында жол қойылады: қазып алыўда жер асты байлықлары ҳәм пайдалы қазылмалар ҳәмде оларға қосылып шығатуғын басқа да тәбийғый ресурслардан комплексли ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў тәмийинленсе, сондай-ақ қоршап турған орталық ҳәм жер асты патасланыўының алды алынса; пайдалы қазылмаларды қазып алыў пайытында жағдайы өзгерген жерлер рекультивация исленсе; қайта тикленетуғын пайдалы қазылмалардан тәбийғый қайта тиклениўине ерисилетуғын дәрежеде ғана пайдаланылса; жер асты байлықларынан ҳәм кең тарқалған пайдалы қазылмалардан пайдаланыў саласында белгиленген қағыйдаларға әмел етилсе; пайдалы қазылма кәнлерин иске салыў жойбарлары бойынша, сондай-ақ, минерал шийки затты қазып алыў ҳәм қайта ислеў кәрханаларын қурыў, реконструкция етиў ҳәмде кеңейтириў жойбарлары бойынша мәмлекетлик экологиялық экспертизасының унамлы жуўмағы болса; жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықын бериўши рухсатнама болса ямаса жер асты участкаларын пайдаланыўға бериў нәзерде тутылған өнимлерди бөлистириў бойынша келисим болса;  (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) пайдалы қазылмалардың жүзин алыўда пайда болатуғын ҳәм сыйдыратуғын жыныслар аўдармалары, сақлағышлар, терриконлар олардың қоршап турған орталыққа ең кем  дәрежеде зыянлы тәсир көрсетиўи тәмийинленген ҳалда жайластырылса. 19-статья. Суўлардан ҳәм суў айдынларынан пайдаланыў шәртлери Қарақалпақстан Республикасының аймағында жер үсти, жер асты ҳәм теңиз суўларынан зәрүрли муғдардағы суўдың тәбийғый айланысын сақлаў, оның нормативте көрсетилген дәрежеде тазалығын тәмийинлеў, суўда өсетуғын өсимликлерди ҳәм ҳайўанатларды сақлаў, суў айдынларының патасланыўына жол қоймаў, оларда экологиялық тең салмақлылықты сақлаў ҳәм ландшафт элементи болған суў айдынына зыян келтирмеў шәрти менен жол қойылады. Жергиликли ҳәкимият уйымлары, тоғай ҳәм суў хожалығы мәкемелери дәрья ағысы қәлиплесиўи орынларында, суў айдынларының жағаларында терекликлерди қайта тиклеўи ҳәм оларды  егиў, көбейтиў жумысларын жүргизиўи ҳәм олардың сақланыўын тәмийинлеўи шәрт. 20-статья. Атмосфера ҳаўасынан пайдаланыў шәртлери Атмосфера ҳаўасы делингенде Қарақалпақстан Республикасының аймағы үстиндеги ҳаўа кеңислиги түсиниледи. Ҳаўадан пайдаланыўға усы аймақтың ҳаўасының сапасын өзгертпеў, оны белгиленген нормативлерден артық дәрежеде патасламаў ямаса сийреклестирмеў шәрти менен жол қойылады. Халықаралық келисимлерге муўапық министрликлер ҳәм мәкемелер, кәрханалар, шөлкемлер, жеке шахслар озон қатламына зыянлы тәсир етиўши химиялық затларды ислеп шығарыўды ҳәм бундай затлардан пайдаланыўды қысқартыўы ҳәм алдағы ўақытта пүткиллей тоқтатыўы шәрт. 21-статья. Жанлы тәбияттың объектлеринен пайдаланыў шәртлери Тәбийғый өсимликлер, соның ишинде тоғайлар, тәбиятта еркин жасаўшы ҳайўанлар ҳәм басқа да тири организмлер жанлы тәбият сыпатында қаралады. Жанлы тәбият объектлеринен: олардың қайта тиклениўи қәбилетин сақлаў; олардың түрлерин ҳәм топарларының турақлылығын сақлаў; қоршап турған тәбийғый орталықтың биологиялық жақтан патасланыўына жол қоймаў шәрти менен пайдаланылады. 22-статья. Шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў шәртлери Шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте алып барылады. Шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыўдың қоршап турған орталыққа қәўипсизлиги ушын шығындылардың ийелери жуўап береди. Шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў объектлерин тийисли аймақта жайластырыў мәселелерин жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары шешеди. 23-статья. Тәбийғый ресурслардан пайдаланыў ҳуқықынан айырыў Тәбийғый ресурслардан пайдаланыў талапларын турақлы түрде бузатуғын пайдаланыўшы тәбийғый ресурслардан пайдаланыў ҳуқықынан айырылыўы мүмкин.

VI бап. Экологиялық экспертиза

 24-статья. Мәмлекетлик экологиялық экспертиза Мәмлекетлик экологиялық экспертиза хожалық шешими  қабыл етилиўинен алдын өткерилиўи шәрт болған қоршап турған тәбийғый орталықты қорғаў илажы болып табылады. Мәмлектлик экологиялық экспертиза Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының нызамлары менен белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Мәмлекетлик экологиялық экспертизаның мақсетлери белгиленген ямаса әмелге асыралатуғын хожалық жумысы ямаса басқа да жумыстың экологиялық жақтан қай дәрежеде қәўипли екенлигин анықлаў, бул түрдеги жумыс тәбиятты қорғаў ҳаққындағы нызамлардың талапларына  қаншелли муўапықлығын баҳалаўдан, жойбарларда нәзерде тутылып атырған тәбиятты қорғаў илажларының қай дәрежеде жетерли ҳәм тийкарлы екенлигин анықлаўдан ибарат. 25 -статья. Мәмлекетлик экологиялық экспертиза объектлери Мәмлекетлик экологиялық экспертизаның объектлери нызамларға муўапық орнатылады. Мәмлекетлик экологиялық экспертизаның унамлы жуўмағысыз жойбарларды әмелге асырыў қадаған етиледи. 26-статья. Мәмлекетлик санитариялық-экологиялық экспертиза Мәмлекетлик санитариялық-экологиялық экспертиза қоршап турған тәбийғый орталықтың патасланыўының адам денсаўлығына қаншелли зыянлы тәсир жасаўын анықлаў мақсетинде өткериледи. Мәмлекетлик санитариялық-экологиялық экспертиза денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң, Қарақалпақстан Республикасы Тәбиятты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының басламасы бойынша Қарақалпақстан Республикасы  Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тайынланады. Мәмлекетлик санитариялық-экологиялық экспертизаны өткериў тәртиби ҳәм усыллары Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Тәбиятты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети менен келисилип тастыйықланады. 27-статья. Жәмийетлик экологиялық экспертиза Жәмийетлик экологиялық экспертиза жәмийетлик бирлеспелердиң басламасы бойынша олардың қаржылары есабынан ямаса жәмийетлик тийкарда ғәрезсиз қәнигелер топарлары тәрепинен әмелге асырылады. Жәмийетлик тийкардағы экологиялық экспертизаның жуўмақлары усыныс сыпатына ийе болады.

VII бап. Экологиялық қадағалаў

28-статья. Қоршап турған орталықтың мониторинги Қарақалпақстан Республикасының аймағында тәбийғый орталықтың жағдайы ҳәм оның ресурсларын бақлаў, есапқа алыў, баҳалаў ҳәм олардың келешегин белгилеўди тәмийинлеў мақсетинде қоршап турған орталықтың мәмлекетлик мониторинги системасы дүзиледи. Қоршап турған тәбийғый орталықтың жағдайын, тәбийғый ресурслардан пайдаланыўды бақлаў арнаўлы ўәкиллиги берилген мәкемелер, сондай-ақ жумысы қоршап турған тәбийғый аймақтың жағдайын жаманластыратуғын ямаса жаманластырыўы мүмкин болған кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер тәрепинен әмелге асырылады. Арнаўлы ўәкиллик берилген мәкемелер, сондай-ақ жоқарыда айтылған кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер өз бақлаўлары бойынша материалларды тийисли мәмлекетлик уйымларға бийпул бериўи тийис. 29-статья. Экологиялық қадағалаўдың тийкарғы ўазыйпалары Экологиялық қадағалаўдың тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат: қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызам ҳүжжетлериниң талаплары бузылыўының алдын алыў, оны анықлаў ҳәм оған шек қойыў; қоршаған орталықтың жағдайын бақлап барыў, қоршаған орталықтың патасланыўына, тәбийий ресурслардан ысырап етип пайдаланыўға алып келиўи, пуқаралардың денсаўлығы ҳәм өмирине қәўип салыўы мүмкин болған жағдайларды анықлаў; мөлшерленип атырған ямаса әмелге асырылып атырған хожалық жумысының ҳәм басқа да жумыстың экологиялық талапларға муўапықлығын анықлаў; юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардың қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине бойсынылыўы, олар тәрепинен миннетлердиң орынланыўын тәмийинлеў; қоршаған орталықтағы өзгерислер, оның болжаўлық жағдайы, тәбийий ресурслардан пайдаланылыўы ҳәм көрилип атырған тийисли илажлар ҳаққында мәмлекетлик шөлкемлерди ҳәм басқа да шөлкемлерди хабардар етиў; тәбиятты қорғаў бойынша жумыстың нәтийжелилигин асырыў ҳәмде мәмлекетлик экологиялық бағдарламалар ҳәм басқа да экологиялық бағдарламалардың әмелге асырылыўында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың қатнасыўын тәмийинлеў. (02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 30-статья. Мәмлекетлик қоршап турған тәбийғый орталықтың жағдайын бақлап барыў хызмети Мәмлекетлик қоршап турған тәбийғый орталықтың жағдайын бақлап барыў хызмети тәбийғый орталықта жүз берип атырған физикалық, химиялық, биологиялық қубылысларды, атмосфера ҳаўасы, топырақ, жер үсти ҳәм жер асты суўларының патасланыў дәрежесин, патасланыўдың өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясына тәсири ақыбетлерин бақлап барыў, мәпдар шөлкемлерди ҳәм халықты қоршап турған тәбийғый орталықта болып атырған өзгерислер ҳаққында ағымдағы ҳәм қыстаўлы мағлыўматлар және бул орталық жағдайы бойынша болжаўлар менен тәмийинлеў мақсетинде дүзиледи. Қоршап турған тәбийғый орталықтың жағдайы ҳаққында мағлыўмат ашық-айдын болып, оның тийкарғы көрсеткишлери мәмлекетлик экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәкемелери тәрепинен жәрияланыўы ушын турақлы түрде берип барылады. Апатшылықлар ҳәм басқа да ўақыялар нәтийжесинде қоршап турған тәбийғый орталық нормативте белгиленгеннен де артығырақ дәрежеде патасланған жағдайда мәмлекетлик экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәкемелери бундай апатшылық ҳәм ўақыялар ҳаққында жәмийетшиликти дәрҳал хабардар етиўи шәрт. Тәбийғый ресурслардың муғдары, сапа ҳәм басқа да көрсеткишлерин, олардан пайдаланыўдың көлеми, тәртип принципин есапқа алып барыў ушын мәмлекетлик тәбийғый ресурслар кадастрлары жүргизиледи. Қоршап турған тәбийғый орталықтың жағдайына зыянлы тәсир ететуғын ямаса унамсыз тәсир етиўи мүмкин болған объектлер, қоршап турған тәбийғый орталыққа түсетуғын зыянлы нәрселердиң түрлери ҳәм муғдары, шығындылардың көлемлери ҳәм қурамы да қадағалап барылады ҳәм мәмлекетлик есапқа алынады. Қоршап турған тәбийғый орталықтың жағдайын қадағалаў мәмлекетлик хызметиниң қурамы, оны шөлкемлестириў ҳәм жумыс алып барыў тәртиби, мәмлекетлик тәбийғый ресурслар кадастрларын, қоршап турған орталыққа зыянлы тәсир етиўши объектлердиң мәмлекетлик есабын жүргизиў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен белгиленеди. 31-статья. Экологиялық қадағалаў тараўындағы қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыў Экологиялық қадағалаўды әмелге асырыў, экологиялық қадағалаў субъектлериниң ўәкилликлерин орынлаўына байланыслы жүзеге келетуғын ҳуқықый қатнасықлар нызам актлери менен тәртипке салынады. (02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 32-статья. Тәбиятты қорғаў тараўындағы ведомстволық, өндирислик ҳәм жәмийетлик қадағалаў (02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамына тийкар 32-статья алып тасланған)

 VIII бап. Тәбиятты қорғаўды тәмийинлеўдиң экономикалық илажлары

 33-статья. Тәбиятты қорғаўды тәмийинлеўдиң экономикалық тәртиби Тәбиятты қорғаўды тәмийинлеўдиң экономикалық тәртиби: тәбийғый ресурслардан арнаўлы пайдаланғанлығы ушын, қоршап турған тәбийғый орталықты патасландырғанлығы (соның ишинде шығындыларды жайластырғанлығы) ҳәм қоршап турған тәбийғый орталыққа басқаша тәризде зыянлы тәсир жасағанлығы ушын төлем өндириўди; экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, пуқаралар денсаўлығын ҳәм қоршаған орталықты дөнгелекли транспорт қураллары, өзи жүрер транспорт қураллары ҳәм олардыӊ тиркемелери өз пайдаланыў қәсийетлерин жойытқаннан кейин пайда болатуғын шығындылардыӊ зыянлы тәсиринен қорғаў ушын утилизация жыйымын (буннан былай тексте утилизация жыйымы деп жүритиледи) өндириўди; (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) кем шығынды ҳәм ресурсларды үнемлейтуғын технологиялар енгизилгенде, тәбиятты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурсларды қайта тиклеўде нәтийже бериўши жумыс әмелге асырылғанда кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлерге, сондай-ақ айырым шахсларға салық, кредит жеңилликлери ҳәм басқада жеңилликлер бериўди; экологиялық көз қарастан қәўипли технологияларды қолланғанлығы ҳәм басқада жумысты әмелге асырғанлығы ушын кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлерге арнаўлы салықлар енгизиўди; қоршап турған тәбийғый орталықты патасландырыўшы нәрселерди шығарыў, ағызыў ямаса экологиялық көз қарастан зыянлы басқада жумысты әмелге асырыў ҳуқықын бериўши лицензиялар (рухсатнамалар) алыўды; тәбийғый орталықтың қолайлы жағдайын бузған кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм пуқараларға оны тиклеў ўазыйпасын жүклеўди; тәбият объектлерин бузыў ямаса жоқ етип жибериў ақыбетинде келтирилген зыян ушын белгиленген тәртипте жәрийма пулын өндириўди; тәбиятты қорғаў бойынша жобалар ҳәм илажлар орынланбаған, тәбиятты қорғаўға байланыслы нызамлардың нормативлик, техникалық ҳәм басқада талаплары бузылған жағдайларда лаўазымлы шахслар ямаса басқада хызметкерлерди тийкарғы өндирислик жумысында ерисилген нәтийжелер бойынша берилетуғын ақшалай сыйлықлары ямаса басқада сыйлықлардан толық яки бир бөлегинде айырыўды; экологиялық таза өним шығарғанлығы ушын хошаметлеўши баҳалар ҳәм үстеме ҳақылар белгилеўди; тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланбағанлығы, нормада белгиленгенинен артық пайдаланғанлығы ушын тәбияттан пайдаланыўшыларға экономикалық жаза шараларын ҳәм тәбийғый ресурслардан үнемли ҳәм ақылға уғрас пайдаланғанлығы ушын экономикалық хошаметлеўди қолланыўды; тәбийғый орталықты сақлаў тараўында ҳәм экологиялық таза өним ислеп шығарыўда ҳәммеден жоқары көрсеткишлерге ерискен мәмлекетлик, кооперативлик, жәмәәтлик кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер, басқада кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң жәмәәтлерин ҳәм айырым хызметкерлерин, сондай-ақ айырым шахсларды материаллық хошаметлеўди нәзерде тутады. Қарақалпақстан Республикасының нызамларында, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының шешимлеринде тәбиятты қорғаў саласындағы жумысты экономикалық хошаметлеўдиң басқа түрлери де нәзерде тутылыўы мүмкин. Тәбиятты қорғаў тараўындағы жумысты экономикалық хошаметлеў илажлары Қарақалпақстан Республикасы нызамларында, сондай-ақ жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының шешимлеринде белгиленетуғын тәртипте қолланылады. 34-статья. Тәбияттан арнаўлы пайдаланғанлығы ҳәм қоршап турған орталықты патасландырғанлығы ушын төлемлер Тәбияттан арнаўлы пайдаланғанлығы ҳәм қоршап турған орталықты патасландырғанлығы ушын төлемлер тәбийғый ресурслардан пайдаланғанлығы ушын салықлар ҳәм басқада мәжбүрий төлемлерден, утилизация жыйымынан, сондай-ақ қоршап турған орталықты патаслағанлығы (патаслаўшы нәрселерди шығарғанлығы, ағызғанлығы ҳәм шығындыларды жайластырғанлығы) ушын компенсация төлемлеринен, тәбийғый ресурсларды қорғағанлығы ҳәм қайта тиклегенлиги ушын төлемлерден ибарат болады. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Тәбийғый ресурслардан пайдаланғанлығы ушын салық ставкалары ҳәм басқада мәжбүрий төлемлердиң муғдарлары, соның ишинде ижара төлеминиң муғдары, тәбийғый ресурслардың қай дәрежеде кең тарқалғанлығы, сапасы, оларды қайта тиклеў имканиятлары, олардан пайдаланыўдың қай дәрежеде қолайлылығы, комплекслилиги, нәтийжелилиги, олардың жайласқан жери, шығындыларды қайта ислеў ҳәм олардан пайдаланыў имканиятлары ҳәм басқада тәреплерин инабатқа алған ҳалда, сондай-ақ тийисли лимитлер нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте анықланады ҳәм тастыйықланады. Қоршап турған орталықты патасландырғанлығы ушын қаплама төлемлериниң муғдарлары тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен тастыйықланады. Тәбийғый ресрусларды қорғағанлығы ҳәм қайта тиклегенлиги ушын төлемлердиң муғдарлары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен белгиленеди. Тәбийғый ресурслардан пайдаланғанлығы ушын төлемлер тәбияттан пайдаланыўшы кәрханалардың өнимлериниң (орынлаған жумысларының, көрсеткен хызметлериниң) өзине түсер баҳасына қосылады. Қоршап турған орталықты патасландырғанлығы ушын, сондай-ақ тәбияттан лимитте (нормативте) белгиленгенинен тысқары ҳәм басқаша тәризде ақылға уғрас емес арнаўлы пайдаланғанлығы ушын компенсация төлемлери юридикалық шахстың дәраматынан (пайдасынан) өндириледи. Тәбийғый ресурслардан пайдаланғанлығы, оларды қорғағанлығы  ҳәм қайта тиклегенлиги ушын төлемлер Мәмлекетлик бюджетке түседи. Қоршап турған орталыққа патасландырыўшы нәрселер шығарғанлығы ҳәм ағызғанлығы және шығындылар жайластырғанлығы ушын компенсация төлемлериниң ақшалары Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қорына түседи. Утилизация жыйымы суммалары дәраматлар бойынша шахсый ғазна есап бетине келип түседи. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Тәбияттан арнаўлы пайдаланғанлығы ушын төлемлер ҳәм қоршап турған орталықты патасландырғанлығы ушын компенсация төлемлери бойынша жеңилликлер нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. Тәбийғый ресурслардан пайдаланғанлығы ушын төлемлерди ҳәм қоршап турған орталықты патасландырғанлығы ушын компенсация төлемлерин төлегенлиги юридикалық ҳәм физикалық шахсларды экологиялық илажларды орынлаўдан ҳәм келтирилген зыянның орнын өтеў мәжбүриятынан азат етпейди. 35-статья. Экология, қоршап турған орталықты қорғаў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қоры Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, соның ишинде шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў, биоресурсларды сақлаў ҳәм қайта тиклеў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ҳәм оның мониторинги саласында илимий-изертлеў жумысын алып барыў, үгит-нәсият ҳәм билимлендириў жумысларын шөлкемлестириў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў саласында қәнигелерди таярлаў ҳәм олардың маманлығын асырыў менен байланыслы илажларды қаржы менен тәмийинлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетинде Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қоры шөлкемлестириледи. Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қорын дүзиў ҳәмде оннан пайдаланыў тәртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 36-статья. Экологиялық қамсызландырыў Қарақалпақстан Республикасында қоршап турған тәбийғый орталықтың патасланыўы ҳәм тәбийғый ресурслар сапасының жаманласыўы ақыбетинде зыян келиўи жағдайларын нәзерде тутып кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң мүлки ҳәм дәраматлары, пуқаралардың өмири, денсаўлығы ҳәм мүлки ықтыярлы ҳәм мәжбүрий қамсызландырылады. Экологиялық қамсызландырыўдың тәртиби ҳәм шәртлери Өзбекстан Республикасының нызамларында белгиленеди. 37-статья. Тәбиятты қорғаў системасындағы хошаметлеў Тәбияттан ақылға уғрас пайдаланыў, қоршап турған тәбийғый орталықты қорғаўды хошаметлеў: кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм пуқаралар тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм тәбиятты қорғаў илажларын әмелге асырған жағдайда оларға салық салыўда жеңилликлер бериў; тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм тәбиятты қорғаўды тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў ушын жеңилликли шәртлерде қысқа мүддетли ҳәм узақ мүддетли кредитлер (ссудалар) бериў; тийкарғы өндирис фондлары ушын жоқары амортизация нормаларын белгилеў; қоршап турған тәбийғый аймаққа патасландырыўшы нәрселер шығарыў ҳәм ағызыў және шығындыларды жайластырыў турақлы түрде пәсейтип барылған жағдайда бундай нәрселерди шығарғанлығы ҳәм ағызғанлығы және шығындыларды жайластырғанлығы ушын төлемлерди кемейтиў; экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қоры қаржыларының бир бөлегин патасландырыўшы нәрселер шығарыў ҳәм ағызыўды кемейтиў илажларын орынлаў мақсетинде кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм айырым шахсларға процентли қарызлар сыпатында шәртнама тийкарында бериў арқалы әмелге асырылады.

 IХ бап. Айрықша экологиялық жағдайлар

 38-статья. Апатшылықларды ҳәм олардың экологияға зыянлы ақыбетлерин сапластырыў Апатшылық жүз берген жағдайда кәрхана, мәкеме ямаса шөлкемлер айрықша экологиялық жағдайларға қаратылған өз ҳәрекет жобаларына муўапық апатшылықты сапластырыўға дәрҳал кирисиўи шәрт. Бир ўақыттың ишинде олар апатшылық ҳаққында ҳәм оны сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында жергиликли жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў  уйымларына, сондай-ақ бундай апатшылықлардың экологияға зыянлы ақыбетлерин сапластырыўға қәнийгелескен хызметлерге дәрҳал хабар етеди. 39-статья. Айрықша экологиялық жағдай ҳәм экологиялық апатшылық зоналары Хожалық жумысларының ҳәм басқа да жумыстың, тәбияттың стихиялы күшлериниң қыйратыўшы тәсириниң ямаса аварияның ҳәм апатшылықтың ақыбетинде белгили бир аймақлардың, соның ишинде суў ҳәм ҳаўа кеңислигиниң қоршап турған тәбийғый орталығында адамлардың денсаўлығына, тәбийғый экологиялық системалардың, өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар генет фондларының жағдайына қәўип туўдырыўшы турақлы унамсыз өзгерислер жүз берип атырған бөлеги айрықша экологиялық жағдай зоналары деп жәрияланады. Белгили бир аймақтың тәбийғый тең салмақлылығы, тәбийғый экологиялық системасы бузылыўы менен байланыслы ҳалда тәбийғый орталықта турақлы ямаса дүзетип болмайтуғын өзгерислер жүз берген ямаса жүз берип атырған бөлеги экологиялық апатшылық зоналары деп жәрияланады. Айрықша экологиялық жағдай ямаса экологиялық апатшылық зоналары деп жәриялаў ҳаққындағы қарар  нызамларда белгиленген тәртипте қабыл етиледи. Айрықша экологиялық жағдай ҳәм экологиялық апатшылық зоналарында бул жағдайды пайда еткен жумыслар тоқтатылады, қоршап турған тәбийғый орталыққа зыянлы тәсир жасайтуғын жумыс (халыққа хызмет көрсетиўге байланыслы жумыстан басқа) қадаған етиледи, тәбийғый орталықты тиклеў ҳәм саламатландырыў илажлары көриледи. 40-статья. Экологиялық көз қарастан қәўип туўдыратуғын жағдайлар Экологиялық көз қарастан қәўип туўдыратуғын жағдайлар дегенде тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен биринши дәрежели қәўипли нәрселер қатарына киргизилген күтә зәҳәрли күшли тәсир етиўши зәҳәрли затлар, радиоактив ҳәм басқада затларды сақлаў, тасыў ҳәм олардан пайдаланыў пайытында қоршап турған тәбийғый орталықтың артықша дәрежели патасланыўы, тәбийғый системалардың бүлиниўи, адам ден саўлығы ҳәм өмирине зыян келтирилиўи қәўпи менен байланыслы болған жағдайлар түсиниледи. Экологиялық көз қарастан қәўипли жағдайлар пайда болған жағдайда Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң уйымлары тийисли өндирис объектлериниң әтирапында, транспорт магистрал жоллары бойлап айрықша ҳуқықый тәртип орнатады.

X Хожалық жумысына ҳәм басқа да жумысларға экологиялық талаплар

41-статья. Кәрханаларды, қурылмаларды ҳәм басқа да объектлерди жайластырыўға, жойбарлаўға, салыўға, реконструкциялаўға, олардан пайдаланыўға ҳәм оларды сапластырыўға болған экологиялық талаплар Кәрханаларды, қурылмаларды ҳәм басқа да объектлерди жайластырғанда, жойбарлағанда, қурғанда, реконструкциялағанда, кеңейткенде ҳәм техникалық жақтан қайта үскенелеўде, олардан пайдаланғанда ҳәм сапластырғанда экологиялық қәўипсизлик талапары орынланыўы, тәбиятты қорғаў бойынша илажлар нәзерде тутылыўы тийис. Кәрханалар, шөлкемлер, мәкемелер, айырым шахслар қалдықсыз ҳәм аз қалдықлы технологияларды енгизиў, шығындылардың пайда болыўын кемейтиў, оларды зыянсызландырыў ҳәм қайта ислеў, шығындыларды ажыратыў, топлаў, көмип таслаў  ҳәм олардан пайдаланыў қағыйдаларына бойсыныўы шәрт. Жумысы қоршап турған тәбийғый орталыққа бираз зыянлы экологиялық тәсир етиўи мүмкин болған ири халық хожалық объектлерин раўажландырыў ҳәм жайластырыў ҳаққында шешимлер мәмлекетлик экологиялық экспертизаның жуўмағы тийкарында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен қабыл етиледи. Экологиялық талапларға жуўап бермейтуғын объектлерди пайдаланыўға тапсырыў қадаған етиледи. 42-статья. Радиоактивли ҳәм химиялық затларды қолланыўға болған экологиялық талаплар Кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм айырым шахслар радиоактивли ҳәм химиялық затларды ислеп шығарыўда, сақлаўда, тасыўда,  қолланыўда, зыянсызландырыўда ҳәм көмиўде экологиялық талапларды, белгиленген нормативлерди ҳәм қағыйдаларды сақлаўы, оларды қолланыўдың зыянлы ақыбетлериның алдын алыў ҳәм сапластырыў илажларын көриўи, бул нормативлерден асып кетилген жағдайда радиациялық ҳәм химиялық қәўипсизликти тәмийинлеўши уйымларға дәрҳал хабар етиўи шәрт. Радиоактив шығындыларды ҳәм химиялық затларды көмиўге мәмлекетлик экологиялық экспертизасының унамлы жуўмағы болғанда, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәмде мәмлекетлик санитариялық ҳәм кәншилик бақлаўы уйымлары менен келисилгенде жол қойылады. (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) 43-статья. Тәбиятты шаўқымнан, толқынланыўдан, электрмагнит майданларынан ҳәм басқа да зыянлы физикалық тәсирлерден қорғаў Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, айырым шахслар зыянлы өндирислик шаўқымлар, толқынланыў, электрмагнит майданларының ҳәм зыянлы физикалық тәсир етиўши басқа да факторлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша илажлар көриўи шәрт. 44-статья. Қадағалап болмайтуғын ҳәм зыянлы биологиялық тәсирден тәбиятты қорғаў Тәбиятқа зыянлы биологиялық тәсир жасайтуғын ямаса жасаўы мүмкин болған кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер усындай тәсирдиң алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша илажларды әмелге асырыўы тийис. Жаңа микроорганизмлерди, вирусларды ҳәм формаларды пайда етиўге ҳәм пайдаланыўға, сондай-ақ оларды Қарақалпақстан Республикасына алып келиўге мәмлекетлик санитариялық қадағалаў уйымларының унамлы жуўмағы болғанда ғана рухсат етиледи. (02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)  45-статья. Тәбиятты шығындылар менен патасланыўдан қорғаў Шығындыларды елатлы пунктлер жерлеринде, тәбиятты қорғаў, саламатландырыў, рекреация мақсетлерине арналған жерлерде, материаллық мәдений мийрас объектлери жайласқан жерлерде, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына, сондай-ақ қорғалатуғын объектлерге ҳәм айрықша қорғалатуғын тәбийғый аймақларға зыян жеткизиў қәўипи келип шығыўы мүмкин болған басқа орынларда сақлаў ҳәм көмип таслаў қадаған етиледи. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген). Айрықша жағдайларда, арнаўлы изертлеўлер нәтийжелерине муўапық пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығы, қоршап турған орталықтың қәўипсизлигин, тәбийғый ресурслар сақланыўын тәмийинлеў талапларына бойсынған ҳалда шығындыларды жердиң астына көмип таслаўға жол қойылады. Шығындыларды қайта ислеў, оларды полигонларда көмип таслаў ҳәм сақлаў мәмлекетлик экологиялық экспертизасының унамлы жуўмағы болғанда әмелге асырылады. (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 46-статья. Экологиялық сертификатластырыў Экологиялық ямаса гигиеналық сертификатларға ийе болмаған, сондай-ақ оларда белгиленген талап көрсеткишлеринен шетлеген ҳалда  шийкизат ҳәм материаллардан пайдаланыў, технологиялық процесслерди енгизиў ҳәм таяр өнимлер (соның ишинде азық-аўқат өнимлерин) шығарыў қадаған етиледи. Экологиялық сертификатластырыў тәртибин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тастыйықлайды.

XI бап. Тәбиятты қорғаў бойынша нызамларды бузғанлығы ушын жуўапкершилик, тәбиятты қорғаўға байланыслы тартысларды шешиў

47-статья. Тәбиятты қорғаў бойынша нызамларды бузғанлығы ушын жуўапкершилик Төмендеги жағдайларда: тәбиятты қорғаў стандартлары, нормалары, қағыйдалары ҳәм басқада  нормативлик-техникалық талапларды бузыўда, соның ишинде кәрханалар, қурылмалар, транспорт қуралларын ҳәм басқа да объектлерди жобаластырыў, қурыў, реконструкциялаў, олардан пайдаланыў ямаса оларды сапластырыўда, экологиялық көзқарастан қәўипли өнимлерди сырт еллерге шығарыў ҳәм сырт еллерден алып келиўде аймақтың белгиленген экологиялық сыйымлылғын, экологиялық нормаларын, қағыйдаларын бузыўда; тәбийғый байлықлардан өз бетинше пайдаланыўда, мәмлекетлик экологиялық экпертизаның талапларын орынламаўда; тәбийғый ресурслардан пайдаланғаны ушын белгиленген төлемди, сондай-ақ қоршап турған орталықты патасландырғаны ҳәм оған зыянлы тәсир етиўдиң  басқа да түрлери ушын компенсация төлемлерин төлеўден бас тартыўда; -тәбиятты қорғаў объектлерин қурыў жобаларын, тәбиятты қорғаў бойынша басқа да илажларды орынламаўда; -қоршап турған тәбийғый орталықты қайта тиклеў, оған зыянлы тәсир жасаўдың ақыбетлерин сапластырыў ҳәм тәбийғый ресурсларды қайта толықтырыў бойынша илажлар көрмеўде; -тәбиятты қорғаўда мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асыратуғын уйымлардың көрсетпелерин орынламаўда; -тәбиятты қорғаў объектлери ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың ҳуқықый режимин бузғанлықта; (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкар өзгерислер киргuзилген). -қоршап турған тәбийғый орталыққа зыянлы тәсирди есапқа алыў қағыйдаларын бузғанлықта; -шығындыларды, химиялық қуралларды, сондай-ақ радиоактивли ҳәм зыянлы химиялық затларды сақлағанда, тасығанда, олардан пайдаланғанда, оларды зыянсызландырғанда ҳәм көмгенде тәбиятты қорғаў талапларын бузғанлықта; -қоршап турған тәбийғый орталықты қорғаў тараўында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўшы лаўазымлы шахслардың объектлерди барып көриўине, айырым шахслар ҳәм жәмийетлик тәбиятты қорғаў шөлкемлерине өз ҳуқықларын ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўына тосқынлық жасаўда; -қоршап турған тәбийғый орталықтың жағдайы ҳәм оның ресурсларынан пайдаланыў ҳаққында өз ўақтында ҳәм дурыс мағлыўмат бериўден бас тартыўда айыплы болған шахслар Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасының нызамларына муўапық интизамлы, ҳәкимшилик, жынаятлы ҳәм басқа да жуўапкершиликке тартылады. 48-статья. Қоршап турған тәбийғый орталыққа зыянлы тәсир жасаўшы объектлердиң жумысын шеклеў, тоқтатып қойыў, сапластырыў ҳәм өзгертиў Кәрханалар, шөлкемлер, қурылмалар ҳәм басқа да объектлер адамлардың денсаўлығына ямаса жасаў жағдайларына, тәбийғый ресурсларға, қорғалатуғын тәбийғый аймақларға зыянлы тәсир еткен ямаса усындай тәсир етиў қәўпи туўылған жағдайларда олардың жумысы шеклениўи, тоқтатып қойылыўы, ал зыянлы тәсир етиўдиң себеплерин сапластырыў имканияты болмаған жағдайда сапластырылыўы ямаса өзгертилиўи мүмкин. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген). Бундай объектлердиң жумысын шеклеў, тоқтатып қойыў, сапластырыў ямаса өзгертиў ҳәм оларды қаржы менен тәмийинлеўди тоқтатыў ҳаққындағы шешимлерди мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, өз ўәкилликлерине муўапық экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары қабыл етеди. 49-статья. Тәбиятты қорғаў бойынша нызамларды бузыў ақыбетинде келтирилген зыянды өтеў мәжбүрияты Қоршап турған тәбийғый орталыққа зыян келтирген кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм айырым шахслар келтирген зыянды, соның ишинде қолдан берилген пайданың орнын нызамларға муўапық өтеўи шәрт. Экологиялық талапларды бузыўда айыпланып атырғанлардың ҳәкимшилик ямаса жынайый жуўапкершиликке тартылыўы оларды қоршап турған тәбийғый орталыққа келтирилген зыянды өтеў мәжбүриятынан азат етпейди. 50-статья. Тәбиятты қорғаў ҳаққындағы  нызам актлерин бузғанлық ушын жуўапкершилик Тәбияттан арнаўлы рәўиште пайдаланыўды ақылға уғрас әмелге асырмағанлығы, қоршап турған тәбийғый орталыққа патасландырыўшы затлар шығарыў ҳәм ағызыўды, шығындыларды жайластырыўды нормативте ҳәм лимитлерде белгиленгенинен көбейтип жибергенлиги ушын кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм айырым шахсларға Өзбекстан Республикасының  нызамларына муўапық асырылған салық салыныўы тийис. Тийисли жағдайларда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымларының қарарына муўапық жоқарыда атап өтилген қағыйдабузарлықлардың себеплери  сапластырылғанға шекем юридикалық ҳәм физикалық шахслардың хожалық жумысын қаржы менен тәмийинлеў тоқтатып қойылыўы мүмкин. 51-статья.  Тәбиятты қорғаў бойынша нызамларды бузыў ақыбетинде зыян келтириўде айыплы болған лаўазымлы шахслардың ҳәм басқа да хызметкерлердиң жуўапкершилиги Кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелердиң қоршап турған тәбийғый орталыққа, адамлардың денсаўлығына ҳәм мүлкине, халық хожалығына келтирилген зыянды қаплаў бойынша шығындар болыўында айыплы болған лаўазымлы шахслар ҳәм басқада хызметкерлер Өзбекстан Республикасы нызамларына муўапық материаллық жуўапкер болады. 52-статья. Экологиялық көз қарастан зыянлы жумысты тоқтатыў ҳаққындағы даўа талаплары Юридикалық ҳәм физикалық шахслар қоршап турған тәбийғый орталыққа, адамлардың денсаўлығына, мүлкине ҳәм халық хожалығына зыян келтирип атырған экологиялық жақтан зыянлы жумысты тоқтатыў ҳаққында судқа даўа арза менен мүрәжат етиўге ҳақылы. Экологиялық жақтан зыянлы жумысты тоқтатыў ҳаққындағы  судтың шешими бул жумысты қаржы менен тәмийинлеўди тоқтатыў ушын тийкар болып табылады. 53-статья. Тәбиятты қорғаў тараўындағы халық аралық шәртнамалар Өзбекстан Республикасы дүзген халық аралық шәртнамада усы Нызамдағыдан ямаса Қарақалпақстан Республикасының тәбиятты қорғаў бойынша басқа да нызамларындағыдан басқаша режелер белгиленген болса,  халық аралық шәртнаманың режелери қолланылады, Өзбекстан Республикасының нызамларында бир қанша қатаңырақ талаплар белгиленген жағдайлар буған кирмейди.