ТОҒАЙ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 28.08.1999-ж. №465/I
ТОҒАЙ ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген 26.12.2007-ж. 180/III-санлы ҚР Нызамы 28.12.2010-ж. 64/8V-санлы ҚР Нызамы 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы 16.12.2019-ж 282/XXIX-санлы ҚР Нызамы 30.06.2021-ж 152/XX-санлы ҚР Нызамы 1-статья. Тоғай ҳаққындағы нызам актлери Тоғай ҳаққындағы нызам актлери усы Нызам ҳәм басқа да нызам актлеринен ибарат. Жер, суў, жер асты байлықлары ҳәм ҳайўанат дүньясынан пайдаланыў және оларды қорғаў менен байланыслы тоғайлардан пайдаланыў саласындағы қатнасықлар тийисли нызам актлери менен тәртиплестириледи. Егер Қарақалпақстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының тоғай ҳаққындағы нызам актлеринен басқаша қәделер белгиленген болса, халықаралық шәртнама қәделери қолланылады. 2-статья. Тоғай ҳаққындағы нызам актлериниң ўазыйпалары Тоғай ҳаққындағы нызам актлериниң ўазыйпалары тоғайларды қорыўды, сондай-ақ олардан рационал пайдаланыўды ҳәм қайта көбейтиўди тәмийинлеў, тоғайлардың өнимдарлығын асырыў мақсетинде тоғайға тийисли қатнасларды тәртиплестириўди, және юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң ҳуқықларын қорғаўды әмелге асырыўдан ибарат. 3-статья. Тоғайлардың ўазыйпалары Тоғайлар тийкарынан экологиялық (суўды қорыў, қорғаў, санитария-гигиена, саламатлықты беккемлеў, рекреацион), эстетикалық ҳәм басқа ўазыйпаларды атқарады, шекленген дәрежеде пайдаланыў әҳмийетине ийе. 4-статья. Тоғайларға болған меншиклик Тоғайлар мәмлекет меншиги - улыўма миллий байлық болып, олардан рационал пайдаланыў тийис ҳәм олар мәмлекет тәрепинен қорғалады. 5-статья. Мәмлекетлик тоғай қоры Барлық тоғайлар мәмлекетлик тоғай қорын қурайды. Мәмлекетлик тоғай қоры: мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған тоғайлардан яғный мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымларының қараўындағы тоғайлардан; басқа мәкемелер ҳәм юридикалық тәреплердиң пайдаланыўындағы тоғайлардан ибарат. 6-статья. Мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын терекзарлық ҳәм путалықлар Төмендегилер мәмлекетлик тоғай қорына кирмейди: аўыл хожалығына ажыратылған жерлердеги тереклер ҳәм шоқ-шоқ тереклер, егисликлердиң қорғаныў аралықлары, сондай-ақ басқада ағашлықлар және путалы өсимликлер; темир жол, автомобиль жоллары, каналлар ҳәм басқа да суў объектлериниң ажыратылған алапларындағы қорғаўшы ағашлар жолағы (қорғаныў дарақлары); қалалар ҳәм басқа елатлы пунктлериндеги дарақлар және шоқ-шоқ тереклер, сондай-ақ көгалландырыў ушын егилген өсимликлер; үй қапталындағы ҳәм бағ участкаларындағы ағашлар және шоқ-шоқ тереклер; мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын терекзарлықлар ҳәм путалықларды пайда етиў, тәрбиялаў, қорғаў және олардан пайдаланыў. Өсимлик дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызам актлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. 7-статья. Тоғай қорының жерлери Тоғай менен қапланған жерлер, сондай-ақ тоғай менен қапланбаған, бирақ тоғай хожалығы мүтәжликлери ушын берилген жерлер тоғай қоры жерлери есапланады. Тоғай қоры жерлериниң шегаралары нызам актлеринде көрсетилген тәртипте белгиленеди. Тоғай қоры жерлери нызам актлеринде белгиленген тәртипте ийелик етиўге, пайдаланыўға, соның ишинде ижараға берилиўи мүмкин. 8-статья. Мәмлекетлик тоғай қорының участкалары Мәмлекетлик тоғай қоры участкалары мәмлекетлик тоғай қорының бир бөлеги болып, олардың белгили шегарасы, майданы, жайласқан мәнзил мәканы, ҳуқықый режими бар ҳәм сызба-картографиялық материалларда көрсетилген болады. 9-статья. Тоғайларды қорыў, қорғаў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды қайта көбейтиў саласындағы мәмлекетлик басқарыў Тоғайларды қорыў, қорғаў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды қайта көбейтиў тараўындағы мәмлекетлик басқарыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, жергиликли ҳәкимият уйымлары, Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен әмелге асырылады. (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы басқармасы ҳәм оның орынлардағы уйымлары мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары болып табылады. (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 10-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң тоғай қатнасықларын тәртиплестириў саласындағы ўәкилликлери Тоғай қатнасықларын тәртиплестириў саласында төмендегилер Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ўәкилликлерине киреди: тоғайды қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў; мәмлекетлик тоғай қорына бийлик етиў; тоғайлардың қорғаў категорияларын анықлаў тәртибин белгилеў; тоғайдан пайдаланғаны ушын ҳақы өндириў тәртиби ҳәм өлшемлерин белгилеў; тоғайларды қорыў, қорғаў, олардан пайдаланыў ҳәм қайта көбейтиў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды шөлкемлестириў және әмелге асырыў; тоғайлардың мәмлекетлик есабын ҳәм мәмлекетлик тоғай кадастрын жүргизиў тәртибин белгилеў; өзиниң ўәкилликлери шегине киретуғын басқа да мәселелерди шешиў. 11-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының тоғай қатнасықларын тәртиплестириў саласындағы ўәкилликлери Тоғай қатнасларын тәртиплестириў саласында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлерине төмендегилер киреди: мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары менен келисилген рәўиште юридикалық ҳәм физикалық шахсларға мәмлекетлик тоғай қорының участкаларын бериў, буннан тоғайлардың дәрьялар, көллер, суў сақлағышлары ҳәм басқа да, суў объектлери жағаларын бойлап өткен қадаған етилген аймақлары, тоғайлардың аўланатуғын баҳалы балықлар уўылдырық шашатуғын орынларды қорғаўшы қадаған етилген аймақлары, суў тәмийнаты дереклерин санитариялық жақтан қорғаў зоналарындағы тоғайлар, мәмлекетлик қорықханалардың, комплекс (ландшафт) буйыртпа қорықханаларының, тәбият бағларының, улыўма мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған буйыртпа қорықханаларының, улыўма мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған курорт тәбийғый аймақлардың, мәмлекетлик биосфера резерватларының, мәмлекетлер аралық қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың тоғайлары буған кирмейди; (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) тоғайлардың мәмлекетлик есабы ҳәм мәмлекетлик тоғай кадастрының жүргизилиўин тәмийинлеў; тоғайларды қорыў, қорғаў, олардан пайдаланыў ҳәм қайта көбейтиў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў; (11-статьяныӊ биринши бөлими 5-абзацы ҚР ЖК 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар алып тасланды) тоғайларда мал бағыў ҳәм ағаш емес ресурслардан пайдаланыўдың басқа түрлериниң қәделерин мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары менен бирликте белгилеў ҳәм тәртиплестириў; тоғайларды қорыў, қорғаў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды қайта көбейтиў саласында халықтың билимли болыўын шөлкемлестириў; өзиниң ўәкилликлери шегине кириўши басқа да мәселелерди шешиў. 12-статья. Тоғайларды қорыў, қорғаў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды қайта көбейтиў үстинен қадағалаў Тоғайларды қорыў, қорғаў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды қайта көбейтиў үстинен мәмлекетлик қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы басқармасы тәрепинен нызам актлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Тоғайларды қорыў, қорғаў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды қайта көбейтиў үстинен мәкемелик қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы басқармасы тәрепинен әмелге асырылады. (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Тоғайларды қорықлаў, қорғаў, көбейтиў, қайта көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў саласындағы жәмийетлик қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы пуқаралары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәмде ғалаба хабар қураллары тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин. (ҚР ЖК 16.12.2019-ж. 282/XXIX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 13-статья. Тоғай қорықшылығы Тоғай қорықшылығы тоғай хожалығы кәрханаларында тоғайларды қорыўды ҳәм қорғаўды тәмийинлеў мақсетинде дүзиледи. Тоғай қорықшылығының лаўазымлы адамлары бир ўақыттың өзинде мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымларының инспекторлары болып табылады. Тоғай қорықшылығы лаўазымлы адамлардың тийкарғы ўәкилликлери төмендегилерден ибарат: юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң тоғайдан пайдаланыў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди тексериў; ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди қарап шығады; (ҚР 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) тоғайларды қорыў, қорғаў, олардан пайдаланыў ҳәм қайта көбейтиў саласындағы ҳәкимшилик нызам бузыўшылықлар ҳаққында мәлимлемелер дүзиў, нызамларды бузған адамларды тийисли уйымларға алып барыў; нызамға қайшы келетуғын рәўиште қолға киргизилген тоғай өнимин ҳәм оны пайдаланған қуралларын алып қойыў; нызам бузыўшылыққа жол қойған адамларды тәртипшең, ҳәкимшилик ҳәм жынаятлы жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы материалларды тийисли уйымларға жибериў; тоғай ҳаққындағы нызам актлериниң талапларын бузыў нәтийжесинде келтирилген зыянның орнын қаплаў ҳаққында судқа арза келтириў. Тоғай қорыў хызметиниң лаўазымлы адамлары арнаўлы үлгидеги кийим, өңирлик белги тағып жүреди ҳәм нызам актлеринде белгиленген тәртипте атыў қуралын алып жүриў ҳәм оны қолланыў ҳуқықына ийе. Юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге тоғай ҳаққындағы нызамлардың бузылыўын сапластырыў бойынша көрсетпелер бериў. Тоғай қорықшылығының жумыс ислеў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен белгиленеди. 14-статья. Тоғай хожалығын шөлкемлестириўдиң тийкарғы режелери Тоғай хожалығын шөлкемлестириў төмендегилерди тәмийинлеўи тийис: тоғайларды қорыў, саламатластырыў ҳәм басқа пайдалы тәбийий қәсийетлерин қорғаў ҳәм күшейтиў; тоғайлардан рационал пайдаланыў; тоғайларды қайта көбейтиў, олардың өнимдарлығын асырыў, сорт қурамы ҳәм сапасын жақсылаў; тоғайларды өрттен, зыянлы жәнликлерден ҳәм кеселликлерден қорғаў; тоғайлардың жетилиў жасын, ағаш кесиў усылларын ҳәм тоғайдан пайдаланыў нормаларын белгилеў; тоғай қоры жерлеринен рационал пайдаланыў; нызам актлерине муўапық басқа шөлкемлестириў ҳәм техникалық илажлар көриў. 15-статья. Тоғайлардың қорғалыў категориялары Белгиленген мақсети ҳәм атқаратуғын ўазыйпаларына муўапық тоғайлар төмендеги қорғалыў категорияларына киргизиледи: тоғайлардың дәрьялар, көллер, суў сақлағышлар ҳәм басқада суў объектлериниң жағаларындағы қадаған етилген аймақлары; тоғайлардың аўланатуғын баҳалы балықлар уўылдырық шашатуғын орынлардағы қадаған етилген аймақлары; эрозиядан сақлайтуғын тоғайлар; тоғайлардың темир жол ҳәм автомобиль жоллары бойындағы қорғаўшы жасыл аймақлары; шөл ҳәм ярым шөл зоналарының тоғайлары; қала тоғайлары ҳәм тоғай-бағлары; қалалар, басқа елатлы пунктлер ҳәм санаат орайларының көгалландырылған зоналары әтирапындағы тоғайлар; суў тәмийнаты дереклерин санитариялық жақтан қорғаў зоналарындағы тоғайлар; айрықша қунлылыққа ийе болған тоғайлар; ғозашылық зоналарындағы тоғайлар; тоғайлардың мийўели тереклери; мәмлекетлик қорықхана тоғайлары; комплекс (ландшафт) буйыртпа қорықханаларының тоғайлары; тәбият бағларының тоғайлары; курорт тәбийғый аймақларының тоғайлары; мәмлекетлик биосфера резерватларының тоғайлары; мәмлекетлер аралық қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың тоғайлары; илимий ямаса тарийхый әҳмийетке ийе болған тоғайлар. Тоғайларды қорғаў категорияларына киргизиў Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы басқармасы усынысына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен әмелге асырылады. (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 16-статья. Тоғай дүзиўшилик Тоғай дүзиўшилик тоғайларды қорыў, тоғай хожалығы ҳәм тоғайдан пайдаланыўдың рационал жүргизилиўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар системасы болып, төмендегилерди өз ишине қамтыйды: мәмлекетлик тоғай қоры участкаларының шегараларын белгилеў ҳәм мәмлекетлик тоғай қорының тоғайдан турақлы пайдаланыўшылар пайдаланатуғын аймағының ишки хожалығын шөлкемлестириў; топография-геодезия жумысларын орынлаў ҳәм тоғайларды арнаўлы картаға киргизиў; мәмлекетлик тоғай қорын есапқа алыў; тоғайлардың жетилиў жасын белгилеў, тоғай хожалығын жүргизиў менен байланыслы тоғай ағашларын шабыў режесин, ағашларды шабыў көлемин ҳәм тоғайдан пайдаланыўдың басқа түрлериниң көлемлерин анықлаў; тоғайларды қорыў, қорғаў, қайта тиклеў ҳәм пайда етиў тараўындағы жумыслар көлемин, сондай-ақ басқа да тоғай хожалығы жумысларының көлемин анықлаў; тоғай дүзиў жойбарларын ислеп шығыў ҳәм олардың әмелге асырылыўын қадағалап барыў. Тоғай дүзиўшилик жойбарлары мәмлекетлик экспертизадан өткериледи ҳәм мәмлекетлик тоғай хожалығының уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен тастыйықланады. Тоғай дүзиўшилик жойбарлары тоғай, қорықхана ҳәм аңшылық хожалықларын жүргизиў, тоғайдан пайдаланыўды әмелге асырыў, ағымдағы ҳәм келешектеги жобаластырыў жумысларын алып барыў ушын тийкарғы нормативлик-техникалық акт болып табылады. Тоғай дүзиўшилик барлық тоғайларда бирден-бир система бойынша Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы басқармасы тәрепинен белгиленген тәртипте өткериледи. (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 17-статья. Тоғайлардың мәмлекетлик есабы Тоғайлардың мәмлекетлик есабы тоғай дүзиў жойбарлары тийкарында мәмлекетлик тоғай хожалығының уйымлары тәрепинен, тоғай дүзиў өткерилмеген орынларда мәмлекетлик тоғай қорын есапқа алыў ҳәм изертлеў материаллары тийкарында алып барылады. Тоғайлардың мәмлекетлик есабы мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан бирден-бир система бойынша, Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы басқармасы Министрлер Кеңеси тәрепинен белгиленген тәртипте алып барылады. (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 18-статья. Мәмлекетлик тоғай кадастры Мәмлекетлик тоғай кадастры тоғайлардың тәбийий, хожалық ҳәм ҳуқықый режими, олардың категориялары, мәмлекетлик тоғай қоры участкаларының сапалық тәрийплемелери ҳәм олардың тоғайдан пайдаланыўшылар ортасындағы бөлиниўи ҳаққында мағлыўматлар ҳәм актлер системасынан ибарат. Мәмлекетлик тоғай кадастры мәпдар юридикалық ҳәм физикалық тәреплерди тоғайға байланыслы мүнәсибетлерди тәртиплестириў, тоғайларды қорыў, олардан рационал пайдаланыў ҳәм оларды қайта көбейтиў мақсетинде тоғай ҳаққындағы мағлыўматлар менен тәмийинлеў ушын арналған. Мәмлекетлик тоғай кадастры мәмлекетлик тоғай хожалығының уйымлары тәрепинен мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан бирден-бир система бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси белгилеген тәртипте алып барылады. 19-статья. Тоғай мониторинги Тоғай мониторинги тоғайларды пайдаланыў, қайта тиклеў, қорыў ҳәм қорғаўдың нәтийжели болыўы мақсетинде тоғай қорының жағдайын ҳәм динимикасын бақлаўды, баҳалаўды ҳәм болжаўды өз ишине алады. Тоғай мониторингиниң дүзилиси, мазмуны ҳәм атқарыў тәртиби ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен белгиленеди. 20-статья. Тоғайдан пайдаланыў Мәмлекетлик тоғай қорының участкалары юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге пайдаланыўға берилиўи мүмкин. Тоғайдан пайдаланыў ушын ҳақы төленеди, усы Нызамның 30-статьясында нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. Төлемлер муғдары ҳәм оларды өндириў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси белгилеген тәртипте әмелге асырылады. Тоғайдан пайдаланыў турақлы ҳәм ўақытша болыўы мүмкин. Тоғай қорының жерлери турақлы ийелик етиўге берип қойылған тоғай хожалығының кәрханалары, мәкемелери ҳәм уйымлары тоғайдан турақлы пайдаланыўшылар болып табылады. Тоғайдан ўақытша пайдаланыў қысқа мүддетли - үш жылға ҳәм узақ мүддетли - он жылға дейин болыўы мүмкин. Тоғай фондыныӊ пайдаланылмайтуғын жерлери физикалық ҳәм юридикалық шахсларға инвестиция шәртнамасы яки мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында үш жылдан кем болмаған ҳәм қырық тоғыз жылдан аспаған мүддетка ижараға берилиўи мүмкин. (ҚР 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) 21-статья. Тоғайдан пайдаланыў ҳуқықын бериў Тоғайдан пайдаланыў ҳуқықы юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге, егер нызам актлеринде басқаша қәде нәзерде тутылған болмаса, мәмлекетлик тоғай хожалығының уйымлары тәрепинен яки олар ўәкиллик берген кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен бериледи. Тоғайдан пайдаланыўға арнаўлы рухсатнама, ағаш кесиў яки тоғай билети тийкарында жол қойылады, усы Нызамның 30-статьясында нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. Тоғайдан пайдаланыўшылар мәмлекетлик тоғай қорының участкаларынан тоғайдан пайдаланыўдың арнаўлы рухсатнамаларда нәзерде тутылған түрлеринен ғана пайдаланыўға ҳақылы. 22-статья. Тоғайдан турақлы пайдаланыўшылардың ҳуқық ҳәм миннетлери Тоғайдан турақлы пайдаланыўшылар төмендеги ҳуқықларға ийе: мәмлекетлик тоғай қорының өзлерине берип қойылған участкаларында тоғай хожалығын өз бетинше жүргизиў, тоғайдан пайдаланыў; тоғай қоры жерлеринен, суў ресурсларынан, кең тарқалған пайдалы қазылма байлықлардан тоғай хожалығының мүтәжликлери ушын белгиленген тәртипте пайдаланыў; белгиленген тәртипте жол ашыў, тоғай өнимлерин жайластырыў ушын майданшаларды үскенелеў, өндирислик ҳәм турақ жай имаратларын қурыў және қурылысларды алып барыў; таярланған өнимге ҳәм оны сатыўдан алынған дәраматқа меншик ийеси болыў. Тоғайдан турақлы пайдаланыўшылар төмендеги миннетлерге ийе: тоғайларды қорыў, қорғаў, олардан рационал пайдаланыў ҳәм оларды қайта көбейтиўди тәмийинлеў; тоғайлардың мәмлекетлик есабын алып барыў; тоғайлардың жағдайына ҳәм оларды қайта көбейтиўге, топырақ және ҳайўанат дүньясына, сондай-ақ суў объектлериниң ҳәм басқа да тәбийий объектлердиң жағдайына унамсыз тәсир көрсетиўге жол қоймайтуғын усыллар менен жумыс алып барыў; (22-статьяныӊ екинши бөлими 5-абзацы ҚР ЖК 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар алып тасланды) қорғалатуғын тәбийий аймақлардың режимин тәмийинлеў; (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) тоғайдан пайдаланыўшы басқа тәреплердиң ҳуқықларын бузбаў. Тоғайдан турақлы пайдаланыўшылар нызам актлеринде белгиленген басқа ҳуқықларға ийе болыўы ҳәм басқа миннетлерди орынлаўы мүмкин. 23-статья. Тоғайдан ўақытша пайдаланыўшылардың ҳуқық ҳәм миннетлери Тоғайдан ўақытша пайдаланыўшылар төмендеги ҳуқықларға ийе: тоғайдан пайдаланыў ҳуқықын бериўши актлерде көрсетилген мәмлекетлик тоғай қорының участкалары шегинде, мүддетлеринде ҳәм оннан пайдаланыў түрлеринде тоғайдан пайдаланыўды әмелге асырады; белгиленген тәртипте жол ашыў, тоғай өнимин жайластырыў ушын майданшаларды үскенелеў, өндирислик имаратларды қурыў. Тоғайдан ўақытша пайдаланыўшылар төмендеги миннетлерге ийе: өзлерине берип қойылған жайлаўлар, пишензарлар ҳәм басқа тоғайлардан рационал пайдаланыў; тоғайлардың аўҳалына ҳәм оларды қайта көбейтиўге, топырақ және ҳайўанат дүньясына, сондай-ақ суў объектлериниң ҳәм басқа да тәбийий объектлердиң жағдайына унамсыз тәсир көрсетиўге жол қойылмайтуғын усыллар менен жумыс алып барыў; тоғайдан пайдаланғанлығы ушын өз ўақтында белгиленген тәртипте ҳақы төлеў; тоғайдан пайдаланыўшы басқа да тәреплердиң ҳуқықларын бузбаў; тоғайдан ўақытша пайдаланыўшылар нызам актлеринде белгиленген басқа ҳуқықларға ийе болыўы ҳәм басқа миннетлерди орынлаўы мүмкин. 24-статья. Тоғайдан пайдаланыўшылар ҳуқықларының кепилликлери Мәмлекетлик хожалық ҳәм басқа да уйымлар және шөлкемлер тәрепинен тоғайдан пайдаланыўшылардың жумысына араласыўға жол қойылмайды. Тоғайдан пайдаланыўшылардың бузылған ҳуқықлары нызам актлеринде нәзерде тутылған тәртипте тиклениўи тийис. Тоғайдан пайдаланыўшылардың ҳуқықларын бузыў нәтийжесинде келтирилген зыянлар (соның ишинде қолға кирмей қалған пайда) толық көлемде қапланады. 25-статья. Тоғайдан пайдаланыў ҳуқықының сапластырылыўы Тоғайдан пайдаланыў ҳуқықы төмендеги жағдайларда сапластырылады: тоғайдан пайдаланыў ҳуқықынан өз ерки менен ўаз кешилгенде; тоғайдан пайдаланыў мүддети тамам болғанда; мәмлекетлик тоғай қорының участкасынан пайдаланып отырған юридикалық тәреп сапластырылғанда; тоғайлардан ҳәм тоғай қорының жерлеринен мақсетке муўапық пайдаланылмағанда; тоғайдан пайдаланыў тоғайлар ҳәм басқа тәбийий объектлердиң аўҳалына және оларды қайта көбейтиўге унамсыз тәсир көрсетиўши усыллар менен әмелге асырылғанда; тоғайларда өрт қәўипсизлиги қәделери бузылғанда; тоғайдан пайдаланғанлығы ушын ҳақы белгиленген мүддетлерде төленбегенде; тоғай қорының жерлери мәмлекетлик яки жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойылғанда. Тоғайдан пайдаланыў ҳуқықын сапластырыў тәртиби нызам актлери менен белгиленеди. 26-статья. Тоғайдан пайдаланыў түрлери Тоғайдан пайдаланыў түрлери төмендегилерден ибарат: ағаш таярлаў; тоғайдан қосымша пайдаланыў (пишен орыў, мал бағыў, пал ҳәррелери уяларын ҳәм қутыларын жайластырыў, жабайы өсимликлерден дәри-дармақ ушын шийки зат таярлаў (териў) ҳәм азық-аўқат мақсетлери ушын жабайы өсимликлерди таярлаў (териў); мәмлекетлик тоғай қорының участкаларынан аңшылық хожалығы мүтәжликлери ушын пайдаланыў; мәмлекетлик тоғай қорының участкаларынан илимий-изертлеў мақсетлери ушын пайдаланыў; мәмлекетлик тоғай қорының участкаларынан мәдений-ағартыўшылық, тәрбиялық, саламатландырыў, рекреацион ҳәм эстетикалық мақсетлер ушын пайдаланыў. Нызам актлеринде тоғайдан пайдаланыўдың басқа түрлери де нәзерде тутылыўы мүмкин. 27-статья. Терекзарлықлар ҳәм путаларды кесиў Өндирислик-техникалық зәрүрликтен келип шықпаған жайларды, қурылысларды ҳәм коммуникацияларды қурыў пайытында терекзарлықлар ҳәм путаларды кесиў қадаған етиледи. Терекзарлықлар ҳәм путаларды кесиў, тоғайларды қорғаў категорияларына қарай, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған тоғайларды кесиў қәделерине муўапық әмелге асырылады. Тоғайлардың темир жоллар ҳәм автомобиль жоллары жағалап өткен қорғаў зоналарында, шөл ҳәм ярым шөл зоналарының тоғайларында пайдаланыўдағы тереклерди тоғайдың жағдайын жақсылаў мақсетинде кесиўге жол қойылады. Тоғайлардың дәрьялар, көллер, суў сақлағышлар ҳәм басқада суў объектлериниң жағаларындағы қадаған етилген аймақларында, тоғайлардың аўланатуғын баҳалы балықлар уўылдырық шашатуғын орынлардағы қадаған етилген аймақларында, эрозиядан сақлайтуғын тоғайларда, қала тоғайлары ҳәм тоғай-бағларында, қалалар, басқа елатлы пунктлери ҳәм санаат орайларының көгалландырылған зоналары әтирапындағы тоғайларда, суў тәмийнаты дереклерин санитариялық жақтан қорғаў зоналарындағы тоғайларда, айрықша қунлылыққа ийе болған тоғайларда, ғозашылық зоналарындағы тоғайларда, тоғайлардың мийўе өсимликлеринде, тәбият бағларының тоғайларында (олардың қорықханаға айландырылған зоналары буған кирмейди), курорт тәбийғый аймақлардың тоғайларында, мәмлекетлик биосфера резерватларының тоғайларында (олардың қорықханаға айландырылған зоналары буған кирмейди), илимий ямаса тарийхый әҳмийетке ийе болған тоғайларда тек аралық пайдаланыўдағы кесиўге (тоғай тәрбиясы ушын ҳәм санитария мақсетинде кесиўге) жол қойылады. (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Барлық қорғалыў категорияларындағы тоғайларда өртке қарсы аралық орын пайда етиў менен байланыслы басқа кесиўлерге жол қойылыўы мүмкин, мәмлекетлик қорықханалардың тоғайлары буған кирмейди. Тийкарғы пайдаланыў ушын кесиў көлемлери тоғай кесиў участкаларының жобасы шегинде, аралық пайдаланыўдағы кесиў болса тоғай хожалығының талапларына муўапық әмелге асырылады. Тоғайларды кесиў жобасы Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы басқармасы тәрепинен тастыйықланады. (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 28-статья. Тоғайдан қосымша рәўиште пайдаланыў Мәмлекетлик тоғай қорының участкалары юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге тоғайдан қосымша рәўиште пайдаланыўға берип қойылыўы мүмкин. Мәмлекетлик тоғай қорының участкаларында пишен орыў ҳәм мал бағыўды юридикалық ҳәм физикалық тәреплер сол мақсетлер ушын арнаўлы ажыратылған майданларда нызам актлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырады. Тоғайлардың дәрьялар, көллер, суў сақлағышлар ҳәм басқада суў объектлериниң жағаларындағы қадаған етилген аймақларында, эрозиядан сақлайтуғын тоғайларда, суў тәмийнаты дереклерин санитариялық жақтан қорғаў зоналарындағы тоғайларда, айрықша қунлылыққа ийе болған тоғайларда, ғозашылық зоналарындағы тоғайларда, мәмлекетлик қорықханаларының тоғайларында, сондай-ақ, белгиленген режимге муўапық тәбиәт бағларының, курорт тәбийғый аймақлардың, мәмлекетлик биосфера резерватларының тоғайларында мал бағыўға жол қойылмайды. (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Мәмлекетлик тоғай қорының участкалары юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге пал ҳәрресиниң уялары ҳәм қутыларын жайластырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы басқармасы тәрепинен шәртнама тийкарында бериледи. (ҚР ЖК 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Жабайы өсимликлердиң дәри-дармақлық шийки затын таярлаў (жыйнаў) ушын жабайы өсимликлерди таярлаў ҳәм азық-аўқат мақсетлери (жыйнаў) бар ресурслардың түўесилип қалыўына ҳәм тоғай хожалығына зыян келтирилиўи жол қойылмайтуғын қураллар ҳәм усыллар менен әмелге асырылады. 29-статья. Мәмлекетлик тоғай қорының участкаларынан аңшылық хожалығы мүтәжликлери ушын пайдаланыў Мәмлекетлик тоғай қорының участкаларынан аңшылық хожалығы мүтәжликлери ушын пайдаланыў ҳуқықы юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге бериледи. Мәмлекетлик тоғай қорының участкаларынан аңшылық хожалығы мүтәжликлери ушын пайдаланыў тәртиби нызам актлери менен белгиленеди. 30-статья. Мәмлекетлик тоғай қорының участкаларынан илимий-изертлеў, мәдений-ағартыўшылық, тәрбиялық, саламатландырыў, рекреацион ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыў Мәмлекетлик тоғай қорының участкаларынан илимий-изертлеў мақсетлеринде пайдаланыў нызам актлери менен белгиленеди. Юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге мәмлекетлик тоғай қорының участкаларынан мәдений-ағартыўшылық, тәрбиялық, саламатландырыў, рекреацион ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыў, тоғайдан турақлы пайдаланыўшылары менен келисилген рәўиште, тийисли жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен бериледи. Мәмлекетлик тоғай қорының мәдений-ағартыўшылық, тәрбиялық, саламатландырыў, рекреацион ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыў ушын берилген участкаларында тоғайдан пайдаланыўшылар тоғайларды ҳәм тәбийий ландшафтларды қорғаў, тоғайларды өрт қәўипсизлиги ҳәм санитария қәделерине бойсыныў шәрти менен бул участкаларды абаданластырыў илажларын көреди. Мәмлекетлик тоғай қорының участкаларынан мәдений-ағартыўшылық, тәрбиялық, саламатландырыў, рекреацион ҳәм эстетикалық мақсетлерде пайдаланыў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы басқармасы тәрепинен тастыйықланады. (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 31-статья. Пуқаралардың тоғайларда болыўы Пуқаралар өсимлик дүньясының объектлеринен улыўмалық пайдаланыў тәртибинде тоғайларда болыў, жабайы дәри-дармақлық ҳәм азық-аўқатлық өсимликлер, мийўелер ҳәм замарықларды өз мүтәжликлери ушын нызам актлеринде белгиленген шәртлерде жыйнаў ҳуқықына ийе. Пуқаралар тоғайларда өрт қәўипсизлигине бойсыныўы, тереклер ҳәм путаларды сындырыўға, кесиўге, тоғай егинлерине зыян келтириўине, тоғайлардың патасланыўына, қумырсқа инлери, қус уяларының жоқ етилиўи ҳәм бузылыўына жол қоймаўы, сондай-ақ нызам актлери менен белгиленген басқа да талапларды орынлаўы тийис. 32-статья. Шегара аймақларында тоғайдан пайдаланыў өзгешеликлери Шегара аймақларында тоғайдан пайдаланыў тәртиби «Өзбекстан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызмети менен келисилген рәўиште мәмлекетлик тоғай хожалығының уйымлары тәрепинен белгиленеди. 33-статья. Тоғайларды қорыў Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети ҳәм тоғай хожалығы мәмлекетлик уйымлары тоғайлардан пайдаланыў тәртиби бузылыўынан, усының менен бирге, нызамсыз түрде кесиў (бирлеў) ден, тоғайларға басқаша тәризде зыянлы тәсир көрсетиўден тоғайлардың қорғалыўын тәмийинлейди. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм мәмлекетлик тоғай хожалығының уйымлары тоғайларды өрттен қорғаў ҳәм өртке қарсы гүресиўге тийисли илажлардың әмелге асырылыўын тәмийинлейди, зәрүр жағдайларда өртлерди өшириў ушын халықты, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң өрт өшириў, жер қазыў техникасын ҳәм транспорт қуралларын жумсайды, өрт қәўпи күшли болған жағдайда халықтың тоғайда болыўын ҳәм тоғайларға транспорт қуралларының кириўин шеклейди яки қадаған етеди. Тоғайдан пайдаланыўшылар тоғайларда өрт қәўипсизлигине итибар бериўи, жумыс орынларында өртке қарсы илажларды өткериўи, тоғайда өрт шыққан жағдайда оны өшириўди тәмийинлеўи тийис. 34-статья. Тоғайларды зыянлы жәнликлер, кеселликлер ҳәм басқа унамсыз жағдайлардан қорғаў Тоғайларды зыянкес жәнликлер, кеселликлер ҳәм басқа унамсыз жағдайлардан қорғаў тоғайдан турақлы пайдаланыўшылар тәрепинен төмендеги жоллар менен әмелге асырылады: тоғайдың зыянкес жәнликлери ҳәм кеселликлериниң ошақларын, санаат ҳәм коммуналлық турмыслық патасланыўлар ҳәм басқа да жағдайлардың унамсыз зыян тәсир зоналарын есапқа алыў ҳәм алдын ала болжаў; тоғайдан зыянкес жәнликлердиң ҳәдден тыс көбейиўи ҳәм тоғай кеселликлериниң тарқалыў ошақларының жүзеге келиўи ҳәм кеңейиўиниң алдын алыў, тоғайлардың биологиялық жақтан шыдамлылығын күшейтиў илажларын көриў. Тоғайларды қорғаў илажларын әмелге асырыў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы басқармасы тәрепинен белгиленеди. (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 35-статья. Тоғайларды тиклеў Тоғайларды тиклеў төмендеги сақланған рәўиште әмелге асырылады: ағаш кесилген орынларда ҳәм тоғай менен қапланбаған басқа жерлерде хожалық есабынан баҳалы сортлы ағашларды мәжбүрий рәўиште қайта егиўди тәмийинлеў; тоғайлардың сорт қурамын жақсылаў, олардың өнимдарлығын ҳәм қорғалыў қәсийетлерин артттырыў; тоғайлардың генетикалық қорын ҳәм биологиялық ҳәр түрлилигин сақлап қалыў. Тоғайларды тиклеў тәртиби ҳәм мүддетлери Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы басқармасы тәрепинен белгиленеди. (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 36-статья. Тоғайларды көбейтиў Тоғайларды көбейтиў тоғайлардан турақлы пайдаланыўшылар тәрепинен аймақлардың ағашлары қалыңлығын арттырыў, тоғайлардың сорт қурамын жақсылаў, баҳалы сортлы ағашларды көбейтиў ҳәм эрозия қубылысларының алдын алыў мақсетинде арнаўлы бағдарламалар тийкарында алып барылады. Тоғайларды көбейтиў ушын берип қойылған аўыл хожалығына ҳәм басқа мақсетлерге арналған нызам актлерине муўапық тоғай қорының жерлери категориясына өткериледи. 37-статья. Тоғайлардың өнимдарлығын арттырыў Тоғайлардың өнимдарлығын арттырыў тоғайларды қайта көбейтиў, олардың сорт қурамын жақсылаў, тоғай мелиорациясы ҳәм тоғайларды плантация усылында жетистириў нәтийжесинде әмелге асырылады. 38-статья. Нызамсыз түрде қолға киргизилген тоғай өнимлерин алып қойыў Нызамсыз түрде қолға киргизилген тоғай өними алып қойылыўы тийис. Нызамсыз түрде қолға киргизилген тоғай өнимин алып қойыў имканияты болмаған жағдайда, оның баҳасы нызам актлеринде белгиленген тәртипте ҳәм муғдарларда өндирип алынады. 39-статья. Тоғайлардың аўҳалына ҳәм оларды қайта көбейтиўге тәсир ететуғын кәрханалар, қурылыслар ҳәм басқа объектлерди жайластырыў, жойбарластырыў, қурыў ҳәм иске қосыў Тоғайлардың аўҳалына ҳәм оларды қайта көбейтиўге тәсир ететуғын жаңадан ҳәм қайтадан тикленип атырған кәрханалар, қурылыслар ҳәм басқа объектлерди жайластырыў, жойбарластырыў, қурыў ҳәм иске қосыў, сондай-ақ жаңа технологияларды енгизиў тоғайларды қорғаў ҳәм қайта көбейтиў илажлары тәмийинленген рәўиште әмелге асырылады. Тоғайлардың жағдайына ҳәм оларды қайта көбейтиўге тәсир ететуғын кәрханалар, қурылыслар ҳәм басқа объектлерди жайластырыў, жойбарластырыў, қурыў, сондай-ақ сортлы ағашларды кесиў зәрүрлиги нызам актлеринде белгиленген жағдайларда ҳәм тәртипте мәжбүрий мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткерилип, мәмлекетлик тоғай хожалығының уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен келисиледи. 40-статья. Тоғай хожалығын жүргизиў менен байланыслы болмаған жумысларды әмелге асырыў тәртиби Тоғай қорының жерлеринде тоғай хожалығын жүргизиў ҳәм тоғайдан пайдаланыў менен байланыслы болмаған қурылыс ҳәм жарыў жумыслары, пайдалы қазылма байлықларды қазып алыў, кабеллер, трубалар ҳәм басқада коммуникацияларды өткериў, бураўлаў ҳәм басқада жумыслар мәмлекетлик тоғай хожалығының уйымлары менен келисилген рәўиште нызам актлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. (ҚР ЖК 27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 41-статья. Тоғайдан пайдаланыў ҳуқықын шеклеў, тоқтатып қойыў яки қадаған етиў Тоғайдан пайдаланыў ҳуқықы тоғай ҳаққындағы нызам актлериниң талаплары бузылған жағдайда, сондай-ақ тоғайларды ҳәм басқа тәбийий объектлерди қорыў, қорғаў ҳәм қайта көбейтиў мақсетинде нызам актлеринде белгиленген тәртипте шеклениўи, тоқтатылыўы яки қадаған етилиўи мүмкин. 42-статья. Тоғайларды қорыў, қорғаў, олардан рационал пайдаланыў ҳәм оларды қайта көбейтиўди қаржыландырыў ҳәм экономикалық жақтан хошаметлеў Тоғайларды қорыў, қорғаў, олардан рационал пайдаланыў ҳәм оларды қайта көбейтиўди қаржыландырыў мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм басқа дәреклер есабынан әмелге асырылады. Тоғайларды қорыў, қорғаў, олардан рационал пайдаланыў ҳәм оларды қайта көбейтиўди экономикалық жақтан хошаметлеў илажларын әмелге асырыў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен белгиленеди. 43-статья. Даўларды шешиў Тоғайларды қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў мәселелерине тийисли даўлар тоғай актлеринде белгиленген тәртипте шешиледи. 44-статья. Тоғай ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик Тоғай ҳаққындағы нызам актлериниң бузылыўында айыплы болған адамлар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.