Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ЭКОЛОГИЯЛЫҚ ЭКСПЕРТИЗА ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 05.10.2007-ж. №163/III

 ЭКОЛОГИЯЛЫҚ ЭКСПЕРТИЗА ҲАҚҚЫНДА

 Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы  1-статья. Экологиялық экспертиза түсиниги Экологиялық экспертиза дегенде жобаластырылып атырған ямаса әмелге асырылып атырған хожалық ҳәм басқа да түрдеги жумыстың экологиялық талапларға муўапықлылығын белгилеў ҳәм экологиялық экспертиза объектин пайда етиў мүмкиншилигин анықлаў түсиниледи. 2-статья. Экологиялық экспертиза ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Экологиялық экспертиза ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызамнан ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының экологиялық экспертиза ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылғаннан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнаманың қағыйдалары қолланылады. 3-статья. Экологиялық экспертиза мақсетлери Экологиялық экспертиза төмендеги мақсетлерде өткериледи: нәзерде тутылып атырған хожалық ҳәм басқа да түрдеги жумысты әмелге асырыў ҳаққындағы шешим қабыл етилиўинен алдыңғы басқышларда бундай жумыстың экологиялық талапларға муўапықлылығын анықлаў; жобаластырылып атырған ямаса әмелге асырылып атырған хожалық ҳәм басқа да түрдеги жумыс қоршап турған тәбийғый орталықтың жағдайына ҳәм пуқаралардың денсаўлығына унамсыз тәсир етиўи мүмкин болса ямаса усындай тәсир көрсетип атырған болса, бундай жумыстың экологиялық қәўиплилик дәрежесин анықлаў; қоршап турған тәбийғый орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша нәзерде тутылып атырған илажлардың жетерлилигин ҳәм тийкарлылығын анықлаў.  4-статья. Экологиялық экспертиза түрлери Экологиялық экспертиза мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик экологиялық экспертиза, сондай-ақ, экологиялық аудит түринде әмелге асырылады. 5-статья. Экологиялық экспертизаның тийкарғы принциплери Экологиялық экспертизаның тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат: нызамлылық; объективлилик; тийкарлылық; экологиялық қәўипсизлик талапларын есапқа алыўдың мәжбүрийлиги; ҳәр қандай жобаластырылып атырған хожалық ҳәм басқа жумыстың итималлы болған экологиялық қәўиплилик презумпциясы; хожалық ҳәм басқа да түрдеги жумыстың қоршап турған тәбийғый орталыққа ҳәм пуқаралардың денсаўлығына тәсирин баҳалаўдың комплекслилиги. 6-статья. Экологиялық экспертизаның жәриялылығы Экологиялық экспертиза буйыртпашылары оны өткериў ҳаққында ғалаба хабар қуралларында дағаза бериўи мүмкин. Бундай жағдайда экологиялық экспертиза тамамланған күннен баслап бир ай ишинде оның нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматлар жәрияланады. Мәмлекетлик экологиялық экспертиза өткерилиўи ҳаққындағы дағаза ҳәм оның нәтийжелери туўралы мағлыўматлар ғалаба хабар қуралларында берилиўи шәрт болған объектлердиң дизими нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 7-статья. Экологиялық экспертиза экспертиниң бийғәрезлиги Экологиялық экспертиза буйыртпашысы ямаса басқа да мәпдар шахслардың экологиялық экспертиза экспертиниң жумысына араласыўына жол қойылмайды. 8-статья. Экологиялық экспертиза буйыртпашысының ҳуқықлары экологиялық экспертиза буйыртпашысы төмендеги ҳуқықларға ийе: экологиялық экспертиза өткериў мәселелери бойынша мәсләҳәтлер ҳәм зәрүрли методикалық жәрдем алыў; экологиялық экспертиза экспертлерине экологиялық экспертиза объектлери бойынша усыныслар, пикирлер, түсиндириўлер ҳәм экологиялық аудит нәтийжелерин усыныў; қосымша экологиялық экспертиза өткериў ҳаққында өтиниш етиў; экологиялық экспертиза өткерилиўиниң барысы ҳаққында мәлимлеме алыў. Экологиялық экспертиза буйыртпашысы нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. 9-статья. Экологиялық экспертиза буйыртпашысының миннетлери Экологиялық экспертиза буйыртпашысы: экологиялық экспертиза ушын материалларды нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық усыныўы; мәмлекетлик экологиялық экспертиза өткерилгенлиги ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте ҳақы төлеўи; мәмлекетлик экологиялық экспертиза жуўмағында көрсетилген талапларды орынлаўы шәрт. Экологиялық экспертиза буйыртпашысы жуўапкершилигинде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин. 10-статья. Экологиялық экспертизаны қаржыландырыў Мәмлекетлик экологиялық экспертизаны ҳәм экологиялық аудитти қаржыландырыў буйыртпашының қаржылары есабынан нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Жәмийетлик экологиялық экспертизаны қаржыландырыў мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ямаса пуқаралардың өз қаржылары есабынан әмелге асырылады. 11-статья. Мәмлекетлик экологиялық экспертиза объектлери Мәмлекетлик экологиялық экспертиза объектлери төмендегилерден ибарат: мәмлекетлик бағдарламалардың, концепциялардың, өндирислик күшлерди, экономикалық ҳәм социаллық сала тармақларын жайластырыў ҳәм раўажландырыў схемаларының жойбарлары; барлық түрдеги қурылыслар ушын жер участкаларын ажыратыў материаллары; жойбаралды ҳәм жойбар ҳүжжетлери; тәбийғый ресурслардан пайдаланыўға байланыслы басқа да түрдеги жумысты тәртиплестириўши нормативлик-техникалық ҳәм көрсетпели-методикалық ҳүжжетлердиң жойбарлары; техника, технология, материаллар, затлар, өнимлердиң жаңа түрлерин дөретиўге байланыслы ҳүжжетлер; қоршап турған тәбийғый орталықтың жағдайына ҳәм пуқаралардың денсаўлығына унамсыз тәсир етиўши ислеп турған кәрханалар ҳәм басқа да объектлер; кейин ала оларға қорғалатуғын тәбийғый аймақлар, айрықша экологиялық жағдай ҳәм экологиялық апатшылық зоналары статусын бериў мақсетинде өткерилген аймақларды комплексли тексериў материаллары; (ҚР ЖК 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген). қала қурылысы ҳүжжетлериниң барлық түрлери; арнаўлы ҳуқықый режимли объектлер. 12-статья. Мәмлекетлик экологиялық экспертиза саласындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым Мәмлекетлик экологиялық экспертиза саласындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети болып есапланады. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети: мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өз ўәкилликлери шеклеринде шөлкемлестиреди ҳәм өткереди; мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өткериўге экспертлер ҳәм қәнигелерди тартады; мәмлекетлик экологиялық экспертизаның унамлы жуўмағын ала алмаған объектлерге қатнаслы қаржыландырыў, кредитлеў ҳәм басқа да финанс операцияларын тоқтатып турыў (тоқтатыў) ҳаққындағы усынысларды банк ҳәм басқа да кредит шөлкемлерине жибереди; мәмлекетлик экологиялық экспертиза жуўмақларының орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады; нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады. 13-статья. Мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өткериўдиң мәжбүрийлиги Усы Нызамның 11-статьясында көрсетип өтилген объектлерди мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткериў мәжбүрий болып табылады. Мәмлекетлик экологиялық экспертизасы Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң қәнигелескен экспертлик бөлими тәрепинен өткериледи. 14-статья. Мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өткериўде қойылатуғын талаплар Мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өткериўде: усынылған материаллардың тәбиятты қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапықлығы тексериледи; жобаластырылып атырған ямаса әмелге асырылып атырған хожалық ҳәм басқа түрдеги жумыстың экологиялық ҳәм социаллық ақыбетлери туўралы мағлыўматлардың дурыслығы ҳәм толықлығы талланады; биологиялық, химиялық затлар ҳәм технологиялардың қоршап турған  орталыққа тәсирин баҳалаўдың тийкарлылығы тексериледи; жобаластырылып атырған ямаса әмелге асырылып атырған хожалық ҳәм басқа да жумысты әмелге асырыў ақыбетлериниң экологиялық қәўиплилиги дәрежесин баҳалаўдың дурыслығы тексериледи; экологиялық қәўипсизлик талапларын тәмийинлеўге байланыслы илажлардың жетерлилиги ҳәм тйикарлылығы анықланады; экологиялық нормативлер жойбарларының тийкарлылығы тексериледи. 15-статья. Мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өткериў ушын усынылатуғын материаллар Мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өткериў ушын буйыртпашы тәрепинен төмендегилер усынылады: жойбарланып атырған объектлер бойынша–қоршап турған орталыққа тәсир етиўи ҳаққындағы баянат жойбарын, экологиялық ақыбетлер ҳаққындағы баянатты, нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайларда болса қоршап турған орталыққа тәсир етиўи ҳаққындағы баянатты өз ишине алған қоршап турған орталыққа тәсирди баҳалаў материаллары; ислеп турған объектлер бойынша–экологиялық нормативлердиң жойбарлары, объекттиң қоршап турған тәбийғый орталыққа ҳәм пуқаралардың денсаўлығына тәсир етиў жағдайлары анықланғанда қоршап турған орталыққа тәсир етиўи ҳаққында таярланған баянат. Буйыртпашы қосымша тәризде экологиялық аудит материалларын усыныўға ҳақылы; усы Нызамның 11-статьясының 2, 3, 5 ҳәм 8-абзацларында көрсетилген объектлер бойынша таярланған барлық ҳүжжетлер. Қоршап турған орталыққа тәсир жасалыўы ҳаққындағы баянат жойбары мәмлекетлик экологиялық экспертиза объектин қаржыландырыў басланғанға шекем усынылады. Қоршап турған орталыққа тәсир жасалыўы ҳаққындағы баянат мәмлекетлик экологиялық экспертиза объектиниң техникалық-экономикалық тийкарлары тастыйықланғанға шекем усынылады. Экологиялық ақыбетлер ҳаққындағы баянат, объект нызам ҳүжжетлеринде белигленген тәртипте пайдаланыўға қабыл етип алынғанға шекем усынылады. 16-статья. Мәмлекетлик экологиялық экспертиза экспертиниң ҳуқықлары Мәмлекетлик экологиялық экспертиза эксперти төмендеги ҳуқықларға ийе: мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өткериў ушын зәрүр болған мағлыўматлар ҳәм материалларды алыў; мәмлекетлик экологиялық экспертиза ушын усынылған нызам ҳүжжетлери талапларына жуўап бермейтуғын материалларды қайтарыў; мәмлекетлик экологиялық экспертиза объекти бойынша айрықша пикир билдириў, бул пикир мәмлекетлик экологиялық экспертиза жуўмағына қосымша етиледи; мәмлекетлик экологиялық экспертиза эксперти нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. 17-статья. Мәмлекетлик экологиялық экспертиза экспертиниң миннетлери Мәмлекетлик экологиялық экспертиза эксперти: мәмлекетлик экологиялық экспертизаны әмелге асырыў тәртиби ҳәм шәртлерине бойсыныўы; мәмлекетлик экологиялық экспертиза өз ўақтында, комплексли, объектив түрде, сапалы өткерилиўин ҳәм белгиленген тәртипте жуўмақ берилиўин тәмийинлеўи; мәмлекетлик экологиялық экспертизаның белгили бир объектине жеке мәпдарлығы болған жағдайда өзинен бас тартыўы; мәмлекетлик экологиялық экспертиза ушын усынылған материаллардың толық сақланыўын ҳәм мәмлекетлик, әскерий, хызмет ҳәм коммерциялық сыр болған мағлыўматлардың жәрияланбаўын тәмийинлеўи шәрт. Мәмлекетлик экологиялық экспертиза экспертиниң жуўапкершилигинде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин. 18-статья. Мәмлекетлик экологиялық экспертиза экспертиниң жуўапкерлиги Өз ўазыйпасын буйыртпашының ҳуқықларына ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерине материаллық ямаса руўҳый зыян келтирген тәризде орынлағаны ямаса тийисли дәрежеде орынламағаны ушын, сондай-ақ экологиялық экспертиза ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин басқаша тәризде бузғанлығы ушын мәмлекетлик экологиялық экспертизаның эксперти нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкер болады. 19-статья. Мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өткериў мүддетлери Мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өткериў мүддети отыз күннен аспаўы тийис. Оны өткериў мүддети мәмлекетлик экологиялық экспертиза объектиниң әҳмийетлилигине қарай Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы тәрепинен ең көби еки айға узайтылыўы мүмкин. 20-статья. Мәмлекетлик экологиялық экспертизаның жуўмағы Мәмлекетлик экологиялық экспертиза нәтийжелери бойынша жуўмақ дүзилип, ол мәмлекетлик экологиялық экспертиза объектин жүзеге шығарыў мүмкинлиги ямаса мүмкин емеслиги ҳаққындағы жуўмақларды өз ишине алады. 21-статья. Мәмлекетлик экологиялық экспертиза жуўмағын орынлаўдың мәжбүрийлиги Мәмлекетлик экологиялық экспертизаның жуўмағы мәмлекетлик экологиялық экспертиза объектин қаржыландырыў ҳәм пайда етиўде юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий болып табылады. Мәмлекетлик экологиялық экспертизаның унамлы жуўмағы болмай турып, жойбарлардың банк ҳәм басқа да кредит шөлкемлери тәрепинен қаржыландырылыўы, сондай-ақ олардың әмелге асырылыўы қадаған етиледи. Мәмлекетлик экологиялық экспертизаның мәмлекетлик экологиялық экспертиза объектин әмелге асырыў мүмкин емеслиги ҳаққындағы жуўмағы болған жағдайда буйыртпашы жуўмақтағы усынысларға муўапық жойбар қайта ислениўин тәмийинлеўи ҳәм материалларды мәмлекетлик экологиялық экспертиза ушын қайта усыныўы ямаса жобаластырылып атырған яки әмелге асырылып атырған хожалық ҳәм басқа да жумыстан бас тартыўы шәрт. 22-статья. Мәмлекетлик экологиялық экспертиза жуўмағының ҳәрекет етиў мүддети Мәмлекетлик экологиялық экспертиза объектиниң экологиялық талапларға муўапықлығы ҳаққында мәмлекетлик экологиялық экспертизаның берген жуўмағы берилген күннен баслап үш жыл даўамында юридикалық күшке ийе болады. 23-статья. Жәмийетлик экологиялық экспертиза Жәмийетлик экологиялық экспертиза экологиялық тийкарланыўы талап етилетуғын ҳәр қандай жумыс саласында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралардың интасы менен әмелге асырылыўы мүмкин. Жәмийетлик экологиялық экспертизаны әмелге асырыўға тосқынлық жасаў қадаған етиледи. Жәмийетлик экологиялық экспертиза мәмлекетлик экологиялық экспертиза өткерилиўине қарамастан әмелге асырылыўы мүмкин. Жәмийетлик экологиялық экспертизаның жуўмағы усыныс түрге ийе болады. 24-статья. Экологиялық аудит Экологиялық аудит–экологиялық аудиторлар (фирмалар) тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте ҳәм шәртлерде өткерилетуғын, қоршап турған орталықтың жағдайына унамсыз тәсир етип атырған, ислеп турған кәрханалар ҳәм басқа да объектлерди ғәрезсиз экологиялық экспертизадан өткериў болып табылады. Экологиялық аудит хожалық ҳәм басқа да түрдеги жумыс объекти меншик ийелериниң шешимине муўапық өткериледи. 25-статья. Тартысларды шешиў Экологиялық экспертизаны шөлкемлестириў ҳәм өткериўде пайда болатуғын тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шешиледи.  26-статья. Экологиялық экспертиза ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкерлик Экологиялық экспертиза ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыплы болған шахслар нызамда белгиленген тәртипте жуўапкер болады.