Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ
  • Бас бет
  • Ҳүжжетлер
  • АДАМ ИММУНИТЕТИ ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИ ВИРУСЫ ПАЙДА ЕТЕТУҒЫН КЕСЕЛЛИКТИҢ (АИВ ИНФЕКЦИЯСЫ) ТАРҚАЛЫЎЫНА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ ҲАҚҚЫНДА

АДАМ ИММУНИТЕТИ ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИ ВИРУСЫ ПАЙДА ЕТЕТУҒЫН КЕСЕЛЛИКТИҢ (АИВ ИНФЕКЦИЯСЫ) ТАРҚАЛЫЎЫНА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 27.06.2014-ж. №205/XV

 АДАМ ИММУНИТЕТИ ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИ ВИРУСЫ ПАЙДА ЕТЕТУҒЫН КЕСЕЛЛИКТИҢ (АИВ ИНФЕКЦИЯСЫ) ТАРҚАЛЫЎЫНА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ ҲАҚҚЫНДА

 Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 11.08.2017-ж. 153/XVII–санлы ҚР Нызамы

 I БАП. Улыўма режелер

 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы пайда ететуғын кеселликтиң (АИВ инфекциясы) тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы қатнасықларды тǝртипке салыўдан ибарат.  2-статья. Адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы пайда ететуғын кеселликтиң (АИВ инфекциясы) тарқалыўына қарсы гүресиў ҳаққындағы нызамшылық Адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы пайда ететуғын кеселликтиң (АИВ инфекциясы) тарқалыўына қарсы гүресиў ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳǝм басқа нызам актлеринен ибарат. Егер Өзбекистан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы пайда ететуғын кеселликтиң (АИВ инфекциясы) тарқалыўына қарсы гүресиў ҳаққындағы нызам актлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шǝртнама қағыйдалары қолланылады.  3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы (АИВ) – арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги кеселлигиниң қозғатыўшы; АИВ инфекциясы – адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы пайда ететуғын жуқпалы кеселлиги; АИВты жуқтырып алғанлар – адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусын жуқтырып алған шахслар; Арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы (АИЖС) –Арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги вирусы адам организминиң иммун системасының зыянланыўы нǝтийжесинде кеселлик белгилери пайда болатуғын АИВ инфекциясының соңғы басқышы.

II БАП. АИВ ИНФЕКЦИЯСЫНЫҢ ТАРҚАЛЫЎЫНА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ САЛАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТ ТӘРЕПИНЕН ТӘРТИПКЕ САЛЫНЫЎЫ

 4-статья. АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат: АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша бирден-бир системаның жумысын алып барыўын тǝмийинлеў; АИВ инфекциясы профилактикасы, АИВ инфекциясына диагноз қойыў, АИВ жуқтырып алғанларды пулсыз арнаўлы емлеў ҳǝм социаллық қорғаў; АИВ инфекциясына диагноз қойыў ҳǝм оны емлеў үскенелери менен тǝмийинлеў, сондай-ақ диагноз қойыў, емлеў ҳǝм илимий мақсетлерде пайдаланылатуғын медициналық препаратлардың, биологиялық суйықлықлардың қǝўипсиз болыўы үстинен қадағалаўды ǝмелге асырыў; АИВ инфекциясының тарқалыўы үстинен эпидемиологиялық қадағалаўды ǝмелге асырыў; АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиўдиң илажлары туўралы халықты турақлы түрде хабардар етип барыў; АИВ тың бар ямаса жоқлығын анықлаў мақсетинде халықты пулсыз, қǝўипсиз ҳǝм қупыя медициналық тексериўден өткериў ушын шараятлар жаратыў; АИВ ты жуқтырып алғанлардың өмирин узайтыў ҳǝм турмысының сапасын жақсылаў, олардың өлиўшилигин кемейтиў бойынша илажларды ǝмелге асырыў; АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў саласында халықаралық бирге ислесиўди ǝмелге асырыў. 5-статья. АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў саласында мǝмлекетлик басқарыў АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы мǝмлекетлик басқарыўды төмендегилер ǝмелге асырады: Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси; Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги; Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги; Орынлардағы мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары; АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша жумысты нызам актлерине муўапық басқа да мǝмлекетлик уйымларда ǝмелге асырыўы мүмкин.  6-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў тараўындағы мǝмлекетлик бағдарламалар ислеп шығылыўын, тастыйықланыўын ҳǝм ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы келтирип шығаратуғын кеселлик (АИВ инфекциясы) тарқалыўына қарсы гүресиў ҳаққындағы нызамшылық талапларының орынланыўы үстинен мǝмлекетлик қадағалаўды ǝмелге асырыў тǝртибин белгилейди. АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиўге тийисли илажларды муўапықластырыў бойынша республикалық комиссиясының жумысын тǝмийинлейди. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызамшылыққа муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 7-статья. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги: АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм ǝмелге асырыўда қатнасады; АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы емлеў-профилактика мǝкемелери жумысларын муўапықластырады ҳǝм олардың өз-ара байланысларын тǝмийинлейди; АИВ инфекциясы тарқалыўы үстинен эпидемиологиялық қадағалаўды ǝмелге асырады; АИВ/АИЖСты жуқтырып алғанларға медициналық жǝрдем көрсетиў тǝртибин белгилейди; емлеў-профилактикалық мǝкемелериниң жумысына АИВ инфекциясы профилактикасына тийисли заманагөй илажлар, АИВ/АИЖСты жуқтырып алғанларға диагноз қойыў, оларды емлеў ҳǝм күтим бериў усылларының орнатылыўын тǝмийинлейди; АИВ инфекциясы бойынша эпидемиологиялық жағдайды ҳǝм АИВ инфекциясына диагноз қойыў ҳǝм оны емлеў барысында қолланылатуғын усыллардың нǝтийжелилигин баҳалаў бойынша изертлеўлерди шөлкемлестиреди; Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң АИЖСқа қарсы гүресиў орайын, районлар аралық АИВ инфекциясына диагноз қойыў лабораторияларын заманагөй емлеў-диагноз қойыў ǝсбаплары менен үскенелениўин тǝмийинлейди; АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиўге тийисли жумысты ǝмелге асырыўшы медицина хызметкерлерин ҳǝм басқа хызметкерлерди таярлаў, қайта таярлаўды ҳǝм олардың қǝнигелигин жетилистириўди тǝмийинлейди. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги нызамшылыққа муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин.  8-статья. Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги: АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыўға ҳǝм ǝмелге асырыўда қатнасады; жазаны өтеў орынларындағы АИВ инфекциясын жуқтырып алғанларға медициналық жǝрдем көрсетиў ушын шараятларды тǝмийинлейди; ишки ислер уйымлары ҳǝм мǝкемелери АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы қǝнигелер менен толықтырылыўын, сондай-ақ олардың қǝнигелигиниң асырылыўын тǝмийинлейди. Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги нызамшылыққа муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин.  9-статья. Орынлардағы мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы ўǝкилликлери Орынлардағы мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары: АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады, тастыйықлайды ҳǝм ǝмелге асырады; Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң АИЖСқа қарсы гүресиў орайларын, сондай-ақ районлар аралық АИВ инфекциясына диагноз қойыў лабораторияларын заманагөй емлеў-диагноз қойыў ǝсбап-үскенелер менен тǝмийинлеў ҳǝм оларды оңлаў-реконструкциялаў жумысларын ǝмелге асырыўда қатнасады; халық арасында АИВ инфекциясы профилактикасы мǝселелери бойынша мǝлимлеме-түсиндириў жумысларын шөлкемлестириў ҳǝм өткериўде қатнасады. Орынлардағы мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары нызамшылыққа муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин.  10-статья. АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиўге тийисли илажларды муўапықластырыў бойынша республикалық комиссия АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиўге тийисли илажларды муўапықластырыў бойынша республикалық комиссия (буннан былай текстте Республикалық комиссия деп жүритиледи) мǝмлекетлик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳǝм мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тǝрепинен өткерилетуғын АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиўге тийисли илажларды муўапықластырыўды ǝмелге асырады. Республикалық комиссия: АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығады ҳǝм олардың ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; АИВ инфекциясы тарқалыўына себеп болатуғын антисоциаллық жағдайларды сапластырыўға қаратылған илажлар комплексин ислеп шығады, олардың орынланыўының үстинен қадағалаўды ǝмелге асырады, усы мақсетте халық арасында АИВ инфекциясы профилактикасы мǝселелери бойынша мǝлимлеме-түсиндириў жумысларын өткереди; Қарақалпақстан Республикасының барлық аймағында яки оның айырым орынларында АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша өткерилип атырған илажлар мониторингин ҳǝм оларды турақлы түрде ҳǝр тǝреплеме баҳалаўды ǝмелге асырады. Зǝрүр болған жағдайда АИВ инфекциясы бойынша эпидемиологиялық жағдайдың кескинлесиўиниң алдын алыў бойынша қосымша илажлар ислеп шығады; Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң АИЖСқа қарсы гүресиў орайы АИВ инфекциясына диагноз қойыў лабораторияларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша илажлар көреди, оларды заманагөй медициналық ǝспаблар менен үскенелеўге көмеклеседи; АИВ инфекциясы профилактикасы, АИВ инфекциясына диагноз қойыў ҳǝм оны емлеўдиң инсан саламатлығы ушын қǝўипсиз болған усылларын ǝмелиятқа енгизиў бойынша усынысларды үйренеди ҳǝм ислеп шығады; халықаралық ҳǝм шет ел шөлкемлери менен АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша өз-ара байланысты, Өзбекистанның мǝплерине сǝйкес келетуғын бирге ислесиўдиң орнатылыўын тǝмийнлейди. Республикалық комиссияның жумысын шөлкемлестириў тǝртиби нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди. 11-статья. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң АИЖСқа қарсы гүресиў орайының жумысы Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң АИЖСқа қарсы гүресиў орайы (буннан-былай АИЖСқа қарсы гүресиў орайы) АИВ инфекциясы профилактикасы, АИВ инфекциясына диагноз қойыў ҳǝм оны емлеў бойынша халыққа қǝнигелестирилген медициналық жǝрдем көрсетиўди, сондай-ақ емлеў-профилактикалық мǝкемелерге методикалық жǝрдем жǝне олардың жумысына АИВ инфекциясы профилактикасы, АИВ инфекциясына диагноз қойыў ҳǝм оны емлеўдиң заманагөй усылларын енгизиўди ǝмелге асырады. АИЖСқа қарсы гүресиў орайы: АИВ инфекциясы ҳǝм оның менен байланыслы болған кеселликлердиң тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша профилактика, эпидемияға қарсы, диагноз қойыў, емлеў илажларын ǝмелге асырады; АИВ/АИЖС жуғыўының жеделлесиўине тǝсир көрсететуғын ҳǝрекетлерди анықлаў ҳǝм олардың жумысын баҳалаў бойынша арнаўлы эпидемиологиялық изертлеўлер өткереди; АИВ инфекциясы профилактикасы, АИВ инфекциясына диагноз қойыў ҳǝм оны емлеўдиң инсан саламатлығы ушын қǝўипсиз болған усылларын үйренеди ҳǝм ǝмелиятқа енгизеди; АИВны жуқтырып алғанларға медициналық жǝрдем көрсетиў тǝртибин жетилистириў бойынша усыныслар киргизеди; АИВны жуқтырып алғанлардың өз денсаўлығын ҳǝм мийнетке қǝбилетин сақлап қалыўы ушын зǝрүрли болған диагноз қойыўды ǝмелге асырады ҳǝм оларға медициналық жǝрдем көрсетеди; АИВ инфекциясына ҳǝм оның менен байланыслы болған кеселликлерге диагноз қойыў ҳǝм оларды емлеўди ǝмелге асырыўшы мǝкемелерге методикалық жǝрдем көрсетеди; профилактика, диагноз қойыў ҳǝм емлеў илажлары ушын ажыратылған қаржылардан мақсетке муўапық ҳǝм нǝтийжели пайдаланыўды тǝмийинлейди; Қарақалпақстанда АИВ инфекциясы профилактикасы, АИВ инфекциясына диагноз қойыў ҳǝм оны емлеў ушын қолланылатуғын усылларды анализлеўди ǝмелге асырады, сондай-ақ олардың нǝтийжелилигин баҳалайды; АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша жумысты ǝмелге асырыўшы медицина хызметкерлерин ҳǝм басқа да хызметкерлерди таярлаўда, қайта таярлаўда ҳǝм олардың қǝнигелигин асырыўда қатнасады. 12-статья. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ҳǝм мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы қатнасыўы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳǝм мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер: АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы тийисли илажларды өткериўде, АИВ жуқтырып алғанлардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин ǝмелге асырыў ҳǝм қорғаўда; АИВ жуқтырып алғанларға яки олардың нызамлы ўǝкиллерине өз ўǝкилликлери шеңберинде ҳуқықый, методикалық, мǝлимлемелик ҳǝм басқа да жǝрдемлер көрсетиўде; халық арасында АИВ инфекциясы профилактикасы мǝселелери бойынша мǝлимлеме-түсиндириў жумысларын жергиликли үрп-ǝдетлер ҳǝм дǝстүрлерден келип шыққан ҳалда шөлкемлестириў ҳǝм өткериўде қатнасыўы мүмкин. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў ўйымлары ҳǝм мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиўге тийисли басқа илажларда да қатнасыўы мүмкин

III БАП. АИВ ИНФЕКЦИЯСЫНЫҢ ТАРҚАЛЫЎЫНА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎГЕ ТИЙИСЛИ ИЛАЖЛАР. АИВ ЖУҚТЫРЫП АЛҒАНЛАРҒА МЕДИЦИНАЛЫҚ ЖӘРДЕМ КӨРСЕТИЎ

 13-статья. АИВна медициналық тексериўден өткериў АИВна медициналық тексериўден өткериў тексерилип атырған шахстың денсаўлығы жағдайын үйрениў ҳǝм баҳалаў болып есапланады, бунда АИВның барлығы ямаса жоқ екенлиги анықланады. АИВна медициналық тексериўден өткериў Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тǝрепинен белгиленген нормалар ҳǝм қағыйдаларға муўапық барлық емлеў-профилактикалық мǝкемелерде ықтыярлы, миннетли яки мǝжбүрий тǝртипте ǝмелге асырылыўы мүмкин. АИВна медициналық тексериўден өткериўде тексерилип атырған шахс пенен дǝслепки ҳǝм кейинги мǝслǝҳǝтлесиў ǝмелге асырылады. Жас өспиримлерди ҳǝм қатнасыққа уқыпсыз яки қатнасық уқыбы шекленген деп табылған шахсларды АИВна медициналық тексериўден өткериў олардың нызамлы ўǝкиллериниң разылығы менен ǝмелге асырылады. Мǝмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасының лабораториялары тǝрепинен өткерилетуғын тексериўлердиң АИВның бар болыўы яки жоқ екенлиги туўралы нǝтийжеси тексериўден өтип атырған шахсқа оның өтинишине байланыслы, жас өспиримлерге ҳǝм қатнасыққа уқыпсыз яки қатнасыққа уқыбы шекленген деп табылған шахсларға болса олардың нызамлы ўǝкиллерине дǝслепки мǝслǝҳǝтти ǝмелге асырған емлеў-профилактика мǝкемесинде бериледи. Тексериўден өтип атырған шахста АИВ анықланған жағдайда, оның менен кейинги мǝслǝҳǝтлесиў өткериледи ҳǝм ол диспансерлик есапқа алынады, бул шахс өзге шахсларға АИВ инфекциясын жуқтырғанлығы ушын жынайый жуўапкершилиги туўралы жазба түрде ескертиледи. Жас өспиримлерде ҳǝм қатнасыққа уқыпсыз яки қатнасқа уқыбы шекленген деп табылған шахсларда АИВ анықланған жағдайда, медициналық мǝкемелердиң хызметкерлери бул туўралы олардың нызамлы ўǝкиллерин ҳǝм жас өспиримлер ямаса қатнасқа уқыпсыз яки қатнас уқыбы шекленген деп табылған шахслар турған мǝкеме басшыларын хабардар етеди. Медициналық тексериўден өткериў нǝтийжесине муўапық, өзинде АИВ анықланған шахслар қан, биологиялық суйықлықлар бойынша донор болыўы мүмкин емес. Тексериўден өтип атырған шахстың өтиниши бойынша АИВ инфекциясы жоқ екенлиги туўралы сертификат берилиўи мүмкин. АИВ инфекциясы жоқ екенлиги туўралы сертификат бериў нызамшылықта белгиленген тǝртипте, тек Республикалық АИЖСқа қарсы гүресиў орайында ҳақы төлеў арқалы ǝмелге асырылады.  14-статья. Ықтыярлы түрде АИВға медициналық тексериўден өткериў Ықтыярлы түрде АИВға медициналық тексериўден өткериў тексериўден өтип атырған шахстың өтиниши бойынша, қупыялыққа бойсынылған ҳалда ǝмелге асырылады. Тексериўден өтип атырған шахстың өтиниши бойынша ықтыярлы түрде АИВға медициналық тексериўден өткериў аноним түрде болыўы мүмкин. 15-статья. Миннетли түрде АИВға медициналық тексериўден өткериў Төмендегилер миннетли түрде АИВға медициналық тексериўден өткерилиўи керек: қан, биологиялық суйықлықлардың донорлары; елиў жасқа шекемги болған некеден өтиўши шахслар; ҳǝмледар ҳаяллар; инъекция арқалы нǝшебентлик затларды пайдаланыўда гүман етилген шахслар; АИВны жуқтырып алған аналардан туўылған балалар; өз жумысында қан, биологиялық суйықлықлар, адам органлары ҳǝм тоқымалары менен ислесиўши медицина хызметкерлери; Жынысый шеригинде АИВ анықланған шахслар. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тǝрепинен Қарақалпақстан Республикасы Бǝнтлик ҳǝм мийнет қатнасықлары министрлиги менен келисилген ҳалда дизими белгиленетуғын айырым кǝсиплерде ислеўши хызметкерлер жумысқа қабылланыўында, дǝслепки ҳǝм турақлы медициналық тексериўлерден өтип атырғанда мǝжбүрий түрде АИВ тексериўинен өткериледи. (11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)  16-статья. Мǝжбүрий түрде АИВға медициналық тексериўден өткериў Тексериўден өтип атырған шахсты мǝжбурий түрде АИВға медициналық тексериўден өткериў нызамшылықта белгиленген тǝртипте оның разылығысыз яки нызамлы ўǝкилиниң разылығысыз сорастырыўшының, тергеўшиниң, прокурордың қарарына яки суд ҳүкимине тийкарланып ǝмелге асырылады. 17-статья. АИВ жуқтырып алғанларға медициналық жǝрдем көрсетиў АИВ жуқтырып алғанларға медициналық жǝрдем көрсетиў олар Республикалық АИЖСна қарсы гүресиў орайында ҳǝм емлеў-профилактика мǝкемелеринде жасайтуғын орны бойынша диспансерлик есапқа қойылғаннан кейин ǝмелге асырылады. АИВ жуқтырып алғанларға медициналық жǝрдем көрсетиў АИВ инфекциясын арнаўлы емлеў, сондай-ақ АИВ инфекциясы менен байланыслы кеселликлердиң раўажланыўының алдын алыў, оларға диагноз қойыў ҳǝм оларды емлеўди өз ишине алады. АИВ жуқтырып алғанларды пулсыз арнаўлы емлеў кеселликтиң басқышына қарап, емлеў комиссиясының жуўмағына қарай АИЖСна қарсы гүресиў орайында, емлеў-профилактикалық мǝкемелериниң АИВ жуқтырып алғанларға арналған бөлимлеринде алып барылады. АИВ жуқтырып алғанларға АИВ инфекциясы менен байланыслы кеселликлердиң раўажланыўының алдын алыў, оларға диагноз қойыў ҳǝм оларды емлеў ушын медициналық жǝрдем көрсетиў АИЖСна қарсы гүресиў орайлары тǝрепинен басқа емлеў-профилактикалық мǝкемелери менен биргеликте ǝмелге асырылады. АИВны жуқтырып алған шахста АИВ инфекциясы менен байланыслы болмаған кеселликлер анықланған жағдайда, тийисли қǝнигелескен емлеў-профилактика мǝкемелеринде амбулатория яки стационар шараятларда медициналық жǝрдем көрсетиледи. 18-статья. Өз хызмет ўазыйпаларын орынлаўда АИВ инфекциясын жуқтырыў қǝўпине ийе болған медицина хызметкерлерин социаллық қорғаў Медицина хызметкерлериниң өз ўазыйпаларын орынлаўда оларға АИВ инфекциясының жуғыўы кǝсиплик кеселликлер топарына киреди. АИВ жуқтырып алғанларға диагноз қойыў ҳǝм оларды емлеў бойынша қǝнигелестирилген медициналық жǝрдем көрсетиўши, сондай-ақ профилактика илажларын ҳǝм эпидемияға қарсы илажларды ǝмелге асырыўды тǝмийинлеўши медицина хызметкерлерине нызамшылықта нǝзерде тутылған жеңилликлер бериледи.

 IV БАП. АИВ ЖУҚТЫРЫП АЛҒАНЛАРДЫҢ ҲУҚЫҚЛАРЫ ҲӘМ МИННЕТЛЕРИ, ОЛАРДЫ СОЦИАЛЛЫҚ ҚОРҒАЎ

 19-статья. АИВ жуқтырып алғанлардың ҳуқық ҳǝм миннетлери АИВ жуқтырып алғанлар: АИВға медициналық тексериўден өткериў нǝтийжелерин ҳǝм АИВ тарқалыўының алдын алыўға байланыслы усыныслар алыў; өз ҳуқықлары туўралы, өзиндеги бар болған кеселликлердиң қǝсийети ҳǝм медициналық жǝрдем көрсетиўде қолланылатуғын усыллар ҳаққында мǝлимлеме алыў; өзине инсаныйлық қатнаста болыныўы; психологиялық жǝрдем алыў ҳуқықына ийе. АИВ жуқтырып алғанлар: медицина хызметкерлери тǝрепинен усыныс етилген АИВ инфекциясын тарқатпаў бойынша илажларды орынлаў; саламат адамлар менен қарым-қатнаста абайлы болыў илажларын сақлаў; жынысый шеригин, сондай-ақ тери ҳǝм силекей қатламларының пүтинлигин бузыўшы емлерде шаншылатуғын ҳǝм кесетуғын ǝсбаплардан пайдаланатуғын медициналық хызметкерлерди ҳǝм хызмет көрсетиў саласы хызметкерлерин өз кеселлиги туўралы хабардар етиўи шǝрт. АИВ жуқтырып алғанлар нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ҳǝм миннетлерге ийе болыўы мүмкин.  20-статья. АИВ жуқтырып алғанларды социаллық қорғаў АИВ жуқтырып алғанлар пулсыз арнаўлы емленеди. Он сегиз жасқа толмаған АИВ жуқтырып алғанлар, кеселлик басқышына қарамастан, нызамшылықта белгиленеген ҳǝр айлық социаллық напақа ҳǝм майып балалар ушын жеңилликлер алыў ҳуқықына ийе. АИВ жуқтырып алған балалардың ата-анасы яки олардың орнын басыўшы шахслар жумыстан ўақытша азат етилген ҳǝм ўақытша мийнетке жарамсызлық напақасын алған жағдайда нызамшылықта белгиленген тǝртипте балалар менен бирге емлеў-профилактикалық мǝкемелеринде стационар шараятларда болыў ҳуқықына ийе. Нызам актлеринде АИВ жуқтырып алғанлар ҳǝм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаўдың басқа илажлары да белгилениўи мүмкин.  21-статья. АИВ жуқтырып алғанлардың ҳуқықларының шеклениўине жол қоймаў АИВ жуқтырып алғанларда АИВ инфекциясының бар екенлигин тийкар етип, олар менен мийнет шǝртнамасын бийкар етиўге, оларды жумысқа қабыл етиўди бийкарлаўға, буған Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тǝрепинен белгиленетуғын дизимде нǝзерде тутылған айырым кǝсиплик жумыс түрлери кирмейди, билимлендириў мǝкемелерине, буған билимлендириў мǝкемелериниң нызам актлеринде белгиленген айырым кǝсиплик түрлери кирмейди, ҳǝм медициналық жǝрдем көрсетиўши мǝкемелерге қабыл етиўге қарсылық етиўге, сондай-ақ олардың басқа ҳуқық ҳǝм нызамлы мǝплерин шеклеўге, сондай-ақ, олардың шаңарақ ағзаларының турақ жай ҳуқықларын, басқа ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплерин шеклеўге жол қойылмайды.

 V БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ ҚАҒЫЙДАЛАР

 22-статья. АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша жумысларды қаржыландырыў АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша жумысларды қаржыландырыў Өзбекистан Республикасы Мǝмлекетлик бюджети, Қарақалпақстан Республикасы Бюджети қаржылары, сондай-ақ, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа дǝреклер есабынан ǝмелге асырылады.  23-статья. АИВ инфекциясы жуққан шахстың денсаўлығына жеткерилген зыянның орнын қаплаў АИВ инфекциясы жуққан шахстың денсаўлығына медицина хызметкерлери ҳǝм хызмет көрсетиў тараўы хызметкерлери өз кǝсиплик миннетлерин орынламағанлығы яки тийисли дǝрежеде орынламағанлығы нǝтийжесинде жеткерилген зыянның орнын қаплаў нызамшылықта белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. Зыянның орнын қаплаў айыплы шахсларды нызамға муўапық жуўапкерликтен азат етпейди.  24-статья. Тартысларды шешиў Адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы келтирип шығаратуғын кеселликтиң (АИВ инфекциясы) тарқалыўына қарсы гүресиў бағдарындағы тартыслар нызамшылықта белгиленген тǝртипте шешиледи.  25-статья. Адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы келтирип шығаратуғын кеселликтиң (АИВ инфекциясы) тарқалыўына қарсы гүресиў саласындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жуўапкерлик Адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы келтирип шығаратуғын кеселликтиң (АИВ инфекциясы) тарқалыўына қарсы гүресиў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.