Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

АРХЕОЛОГИЯЛЫҚ МИЙРАС ОБЪЕКТЛЕРИН ҚОРҒАЎ ҲӘМ ОЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 22.05.2010-ж. №29/II

 АРХЕОЛОГИЯЛЫҚ МИЙРАС ОБЪЕКТЛЕРИН ҚОРҒАЎ ҲӘМ ОЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲАҚҚЫНДА

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы

 I БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР

 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў саласындағы қатнасықларды ретлестириўден ибарат. 2-статья. Археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызам актлери Археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызам актлери усы Нызам ҳǝм басқа да нызам актлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының «Археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызам актлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шǝртнаманың қағыйдалары қолланылады. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: археолог – тийисли жоқары мағлыўматқа ийе болған изертлеўши; Археологиялық предметлердиң мǝмлекетлик каталогы - ҳǝр бир археологиялық предмет ҳаққындағы тийкарғы мағлыўматлар орын алған есапқа алыў ҳүжжети; археологиялық предмет - археологиялық излениўлер, археологиялық қазыўлар ҳǝм археологиялық қадағалаўды ǝмелге асырыўда ямаса хожалық ҳǝм басқа да жумыс барысында анықланған, сондай-ақ тосаттан табылған (ғǝзийне) ҳǝм идентификациялаўдан өткерилген материаллық қалдық; археологиялық естелик - материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрына киргизилген археологиялық объект; археологиялық мийрас объектлери - археологиялық объектлер ҳǝм археологиялық предметлер комплекси; археологиялық қадағалаў - археологиялық объектти сақлаў мақсетинде ǝмелге асырылатуғын ҳǝм археологиялық объект аймағының шегараларында жер қазыў, жер дүзиў, қурылыс, мелиорация, хожалық, жол қурыў жумысларын ҳǝм басқа да жумысларды орынлаўда мǝдений мийрас объектлерин сақлаў талапларына бойсынылыўы үстинен қадағалаў орнатылатуғын археологиялық изертлеў түри; археологиялық объект - инсанның турмыс ҳǝрекетиниң барлық көринислерине байланыслы ҳǝм сақланыў жағдайына қарамастан археологиялық, антропологиялық, этнографиялық қунлылыққа ямаса басқа да тарийхый, илимий, көркемлик, мǝдений қунлылыққа ийе болған орын, қурылма (шығарма) имарат, комплекс (ансамбль), олардың бөлеклери, олар менен байланыслы аймақлар; археологиялық изертлеў - археологиялық объектлер, археологиялық естеликлер ҳǝм археологиялық предметлерди үйрениў арқалы жаңа билимлерди ийелеў мақсетинде ǝмелге асырылатуғын жумыс; археологиялық қазыўлар - археологиялық изертлеўдиң археологиялық объектте қазыў жумысларын пайдаланған ҳалда мǝдений қатламлар, архитектуралық ҳǝм басқа да материаллық қалдықларды үйрениў мақсетинде ǝмелге асырылатуғын түри; археологиялық излениўлер - археологиялық объекттиң мǝдений қатламының жемирилиўи менен байланыслы болмаған (мǝдений қатламның қалыңлығын анықлаў ушын шекленген қазыўдан тысқары) ҳǝм археологиялық объектти анықлаў, картаға түсириў, оның шегараларын белгилеў, түсиндириў, тексериў, сондай-ақ бурын анықланған археологиялық объект ҳаққында заманагөй мағлыўматларды алыў мақсетинде ǝмелге асырылатуғын археологиялық изертлеў түри; илимий есабат - ашық қағаз ҳǝм рухсатнамаға муўапық ǝмелге асырылған археологиялық излениўлер, археологиялық қазыўлар ҳǝм археологиялық қадағалаўдың нǝтийжелери ҳаққында толық мағлыўмат бериўши ҳүжжет; ашық қағаз - археологтың профессионал дǝрежесин тастыйықлаўшы ҳǝм оған археологиялық излениўлер, археологиялық қазыўлар ҳǝм археологиялық қадағалаўды ǝмелге асырыў ҳуқықын бериўши ҳүжжет; рухсатнама - ашық қағаз алған археологқа археологиялық объектте археологиялық излениўлерди, археологиялық қазыўларды ҳǝм археологиялық қадағалаўды ǝмелге асырыў ҳуқықын бериўши ҳүжжет. 4-статья. Археологиялық мийрас объектлерине болған меншик ҳуқықы Археологиялық мийрас объектлерине болған меншик ҳуқықы мǝмлекетке тийисли болып табылады. Археологиялық предметлер оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында илимий, мǝденият ҳǝм билимлендириў мǝкемелерине бекитип қойылыўы мүмкин. Археологиялық мийрас объектлери материаллық мǝдений мийрас объектлери қатарына киреди.

 II БАП. Археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў саласындағы мǝмлекетлик басқарыў

 5-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў саласындағы мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын ǝмелге асырыўға қатнасады; археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳǝм археологиялық изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў бойынша мǝмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳǝм ǝмелге асырыўда қатнасады; археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳǝм археологиялық изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў бойынша аймақлық бағдарламалардың ислеп шығылыўын, тастыйықланыўын ҳǝм ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; Археологиялық предметлердиң мǝмлекетлик каталогы ҳаққындағы режени ислеп шығыўда қатнасады; археологиялық предметлерди Археологиялық предметлердиң мǝмлекетлик каталогинде дизимнен өткериў тǝртибин белгилеўде қатнасады; археологиялық предметлерди мǝмлекетке тапсырыў ҳǝм оларды илимий, мǝденият ҳǝм билимлендириў мǝкемелерине бекитип қойыў тǝртибин белгилеўде қатнасады; илимий, мǝденият ҳǝм билимлендириў мǝкемелерине бекитип қойылған археологиялық предметлерден пайдаланыў тǝртибин белгилеўде қатнасады; археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў саласындағы қатнасықларды белгиленген тǝртипте тǝртипке салады; археологиялық мийрас объектлери тийисли дǝрежеде қорғалыўы ҳǝм сақланыўы ушын шараятларды тǝмийинлейди; археологиялық мийрас объектлериниң пүтин сақланыўы жағдайы үстинен мǝмлекетлик қадағалаўды ǝмелге асырыўға қатнасады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызам актлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 6-статья. Қарақалпақстан Республикасы  Мǝденият министрлигиниң археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы  Мǝденият министрлиги: археологиялық мийрас объектлерин қорғаў, олардан пайдаланыў ҳǝм археологиялық изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў бойынша мǝмлекетлик ҳǝм аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳǝм оларды ǝмелге асырыўда қатнасады; археологиялық мийрас объектлерин қорғаў, сақлаў ҳǝм олардан пайдаланыў үстинен мǝмлекетлик қадағалаўды ǝмелге асырады; археологиялық предметлердиң есабын алыў ҳǝм сақланыўын қадағалайды; Археологиялық предметлердиң мǝмлекетлик каталогын жүргизиўде қатнасады; археологиялық предметлерди Археологиялық предметлердиң мǝмлекетлик каталогында дизимнен өткереўге қатнасады; археологиялық предметлердиң мǝмлекетлик каталогында дизимнен өткерилген археологиялық предметлерди ийеликтен шығарыў ҳаққында усыныс береди; берилген ҳǝр бир рухсатнама бойынша илимий есабат қабыл етеди; илимий есабатлар архивин топлайды. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги нызам актлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 7-статья. Археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў саласындағы арнаўлы ўǝкилликли мǝкеме Арнаўлы ўǝкилликли мǝкеме: илимий, мǝденият ҳǝм билимлендириў мǝкемелеринде ǝмелге асырылатуғын археологиялық изертлеўлерди муўапықластырыўға қатнасады; археологиялық излениўлер, археологиялық қазыўлар ҳǝм археологиялық қадағалаў бойынша белгиленген тǝртипти ǝмелге асырыўда қатнасады; өзине бекитилген археологиялық предметлердиң есабы жүргизилиўи ҳǝм сақланыўын тǝмийинлейди; илимий есабатты дүзиў, экспертизадан өткериў ҳǝм оннан пайдаланыў тǝртибин белгилеўде қатнасады; берилген ҳǝр бир ашық қағаз бойынша илимий есабат қабыл етеди; илимий есабатлар архивин топлайды; археологиялық мийрас объектлериниң тарийхый-мǝдений экспертизасын өткериўде қатнасады. (18.08.2018-ж.200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Арнаўлы ўǝкилликли мǝкеме нызам актлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 7¹-статья. Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў саласындағы ўǝкилликлери Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары өз аймақлары шегинде: археологиялық мийрас объектлери тийисли дǝрежеде қорғалыўы ҳǝм сақланыўы ушын шараятларды тǝмийинлейди; археологиялық мийрас объектлериниң пүтин сақланыўы жағдайы үстинен мǝмлекетлик қадағалаўды ǝмелге асырады; ашық қағаз ҳǝм рухсатнама алған археологқа археологиялық излениўлер, археологиялық қазыўлар ҳǝм археологиялық қадағалаўды шөлкемлестириўде жǝрдем береди; жер қазыў, жер дүзиў, қурылыс, мелиорация, хожалық, жол қурыў жумыслары ҳǝм басқа да жумыслар ушын жер участкалары ажыратылыўын жойбарлаўда археологиялық объектлерди сақлаў талаплары сақланыўын нызам актлерине муўапық тǝмийинлейди; пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларын, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳǝм пуқараларды археологиялық мийрас объектлерин қорғаў, сақлаў ҳǝм үгит-нǝсиятлаў бойынша илажлар өткериўге ықтыярлы тийкарда тартады. Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары нызам актлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)

III БАП. Археологиялық мийрас объектлериниң мǝмлекет тǝрепинен қорғалыўы ҳǝм олардан пайдаланыў

8-статья. Археологиялық объектлердиң мǝмлекет тǝрепинен қорғалыўын тǝмийинлеў ҳǝм олардан пайдаланыў Археологиялық объектлердиң мǝмлекет тǝрепинен қорғалыўын тǝмийинлеў ҳǝм олардан пайдаланыў мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызам актлерине муўапық ǝмелге асырылады. 9-статья. Археологиялық объектти материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрына киргизиў Археологиялық объектти материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрына киргизиў мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызам актлерине муўапық ǝмелге асырылады. 10-статья. Археологиялық естеликти материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрынан шығарыў Археологиялық естеликти материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрынан шығарыў оны үзил-кесил археологиялық изертлеўден кейин ғана мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызам актлерине муўапық ǝмелге асырылады. 11-статья. Археологиялық предметлерди мǝмлекетлик есапқа алыў ҳǝм сақлаў Археологиялық предметлерди мǝмлекетлик есапқа алыўға оларды анықлаў, толық тǝрийплемеси менен олардың дизимин дүзиў, илимий ҳǝм мǝдений қунлылығын анықлаў, илимий есабат усыныў, археологиялық предметлерди Археологиялық предметлердиң мǝмлекетлик каталогында дизимнен өткериў, илимий, мǝденият ҳǝм билимлендириў мǝкемелерине бекитип қойылған археологиялық предметлердиң есабын алыў киреди. Археологиялық предметлерди сақлаў олардың пүтин сақланыўын тǝмийинлеў ушын материаллық ҳǝм ҳуқықый шараятлар жаратылыўын нǝзерде тутады. Илимий, мǝденият ҳǝм билимлендириў мǝкемелерине бекитип қойылған археологиялық предметлердиң есабын жүргизиў ҳǝм сақлаў нызам тǝрепинен белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. 12-статья. Археологиялық предметлердиң мǝмлекетлик каталогын жүргизиў Археологиялық предметлердиң мǝмлекетлик каталогын Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги жүргизеди. Юридикалық шахслардың археологиялық предметлерге болған пуқаралық ҳуқық ҳǝм миннетлерин белгилеўге, өзгертиўге ямаса бийкарлаўға қаратылған ҳǝрекетлери усы ҳǝрекетлер Археологиялық предметлердиң мǝмлекетлик каталогында дизимнен өткерилгеннен соң ғана ǝмелге асырылады. 13-статья. Археологиялық предметлерди Археологиялық предметлердиң мǝмлекетлик каталогында дизимнен өткериў Археологиялық предметлерди Археологиялық предметлердиң мǝмлекетлик каталогында дизимнен өткериў Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги тǝрепинен ǝмелге асырылады. 14-статья. Археологиялық предметлердиң мǝмлекетлик каталогында дизимнен өткерилген археологиялық предметлерди ийеликтен шығарыў Археологиялық предметлердиң мǝмлекетлик каталогында дизимнен өткерилген археологиялық предметлерди ийеликтен шығарыў мүмкин емес, олардың жоғалыўы, жемирилиўи ямаса басқа да археологиялық предметлерге алмастырылыўы жағдайлары буған кирмейди. Археологиялық предметлердиң мǝмлекетлик каталогында дизимнен өткерилген археологиялық предметлерди усы статьяның биринши бөлиминде нǝзерде тутылған жағдайларда ийеликтен шығарыў ҳаққындағы шешим Өзбекстан Республикасы Мǝденият министрлиги тǝрепинен қабыл етиледи. 15-статья. Археологиялық предметлерди мǝмлекетке тапсырыў ҳǝмде илимий, мǝденият ҳǝм билимлендириў мǝкемелерине бекитип қойыў Археологиялық предметлер оларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тǝрепинен белгиленген тǝртипте кейин ала илимий, мǝденият ҳǝм билимлендириў мǝкемелерине бекитип қойыў ушын мǝмлекетке тапсырылыўы керек. Ашық қағаз ҳǝм рухсатнама алған археолог археологиялық предметлер мǝмлекетке тапсырылыўына шекем олардың пүтин сақланыўын тǝмийинлеўи тийис. Археологиялық предметлер мǝмлекетке тапсырылғаннан кейин ашық қағаз ҳǝм рухсатнама алған археологқа тапсырылғанлығы фактын тастыйықлаўшы ҳүжжет бериледи. Археологиялық предметлерди илимий, мǝденият ҳǝм билимлендириў мǝкемелерине бекитип қойыў ҳаққында шешим қабыл етилип атырғанда, усы мǝкемелерде материаллық-техникалық базасының, соның ишинде, хана ямаса ханалар, сақлаў ушын зǝрүрли ǝсбап-үскенелер, қорғаў қураллары ҳǝм өртке қарсы қураллардың бар болыўы мǝжбүрий шǝрт болып есапланады. Археологиялық предметлер олар анықланған орында қалдырылған жағдайда ашық қағаз ҳǝм рухсатнама алған археолог мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў саласындағы мǝмлекетлик басқарыўды ǝмелге асырыўшы тийисли уйым менен биргеликте усы предметлерди консервациялаў илажларын көриўи тийис. Бунда усы археологиялық предметлер тǝрийплениўи, сүўретке алыныўы ҳǝм илимий есабатта көрсетип өтилиўи керек. 16-статья. Илимий, мǝденият ҳǝм билимлендириў мǝкемелерине бекитип қойылған археологиялық предметлерден пайдаланыў Илимий, мǝденият ҳǝм билимлендириў мǝкемелерине бекитип қойылған археологиялық предметлерден пайдаланыўға тек ғана төмендеги мақсетлерде жол қойылады; илимий, мǝдений, билимлендириў ҳǝм ағартыўшылық жумысы; археологиялық предметлерди жǝриялаў. Илимий, мǝденият ҳǝм билимлендириў мǝкемелерине бекитип қойылған археологиялық предметлерден пайдаланыў тǝртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тǝрепинен белгиленеди. 17-статья. Археологиялық предметлерди сақлаў илажлары Археологиялық предметлерди сақлаў илажлары консервациялаў, оңлаў ҳǝм реконструкциялаў жумысларын өз ишине алады. Археологиялық предметти консервациялаў – археологиялық предметти бар көринсинде сақлаў ҳǝм оның жағдайы жаманласыўының алдын алыў мақсетинде ǝмелге асырылатуғын илимий ҳǝм илимий-техникалық изертлеўлер ҳǝм өндирислик жумыслар комплекси. Археологиялық предметти оңлаў – археологиялық предметтиң тарийхый ҳǝм эстетикалық қунлылығын анықлаў ҳǝм сақлап қалыў ҳǝм оның пүтин сақланыўын тǝмийинлеў мақсетинде ǝмелге асырылатуғын илимий ҳǝм илимий-техникалық илажлар ҳǝмде өндирис жумыслары комплекси. Археологиялық предметти реконструкциялаў – пүтинлей ямаса бир бөлегинде зыянланған археологиялық предметти тиклеў бойынша оның сақланып қалған түп нусқа бөлеклерин мүмкиншилиги барынша анықластырыў мақсетинде, бирақ киргизилген толықтырыўлар анық билинип туратуғын тǝризде ǝмелге асырылатуғын илимий ҳǝм илимий-техникалық изертлеўлер ҳǝм өндирис жумыслары комплекси. Археологиялық предметти консервациялаў, оңлаў ҳǝм реконструкциялаў жумыслары усы археологиялық предмет бекитип қойылған илимий, мǝденият ҳǝм билимлендириў мǝкемеси ҳǝкимшилигиниң шешими тийкарында ǝмелге асырылады. 18-статья. Археологиялық предметлерди Өзбекстан Республикасынан алып шығыў Археологиялық предметлер Өзбекстан Республикасынан алып шығылыўы мүмкин емес. Усы статьяның екинши бөлиминде нǝзерде тутылған жағдай буған кирмейди. Археологиялық предметлерди Өзбекстан Республикасы аймағынан тысқарыға ўақытша алып шығыў нызамда белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады.

IV БАП. Археологиялық мийрас объектлериниң археологиялық изертлениўи

19-статья. Археологиялық излениўлер, археологиялық қазыўлар ҳǝм археологиялық қадағалаўды ǝмелге асырыў шǝртлери  Археологиялық излениўлер, археологиялық қазыўлар ҳǝм археологиялық қадағалаў өз шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде археологиялық излениўлер, археологиялық қазыўлар ҳǝм археологиялық қадағалаўды ǝмелге асырыў нǝзерде тутылған мǝмлекетлик мǝкемелер ҳǝмде шөлкемлер тǝрепинен ғана арнаўлы ўǝкилликли мǝкеме белгилеген тǝртипте ǝмелге асырылады. Олар жумыслардың сапалы орынланыўы, илимий есабаттың өз ўақтында усынылыўы ҳǝм сапасы ушын жуўапкер болады. Археологта ашық қағаз ҳǝм рухсатнама бар болса ғана археологиялық излениўлер, археологиялық қазыўлар ҳǝм археологиялық қадағалаўды ǝмелге асырыўға жол қойылады. Ол археологиялық излениўлерге, археологиялық қазыўларға ҳǝм археологиялық қадағалаўға тиккелей басшылық етиўи шǝрт. Археологиялық объектте қазыўларды өз басымшалық пенен ǝмелге асырыў қадаған етиледи. Бундай ҳǝрекет даўамында қолға киргизилген археологиялық предметлер мǝмлекет меншигине тапсырылыўы керек. 20-статья. Археологиялық қазыўларды жобаластырыўдағы артықмашылық Археологиялық қазыўларды жобаластырыўда артықмашылық сақланыўы тийис болып, бундай артықмашылыққа муўапық археологиялық қазыўлар, биринши гезекте, тǝбийғый жемирилиў ҳǝм нызам актлерине муўапық ҳǝр қандай басқа ҳǝрекетлер ҳǝм жағдайлар қǝўип туўдырып атырған археологиялық объектлерде ямаса археологиялық естеликлерде ǝмелге асырылады.  21-статья. Ашық қағаз ҳǝм рухсатнама бериў тǝртиби ҳǝм шǝртлери Ашық қағаз бериў тǝртиби ҳǝм шǝртлери, оның форма үлгилери арнаўлы ўǝкилликли мǝкеме тǝрепинен тастыйықланады. Рухсатнама бериў тǝртиби ҳǝм шǝртлери Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги тǝрепинен белгиленеди. 22-статья. Ашық қағаздың формалары ҳǝм ҳǝрекет етиў мүддети Археологиялық изертлеўлердиң өзгешелигине қарай ашық қағаз төмендеги формаларға ийе болады; археологиялық қазыўларды ǝмелге асырыў ҳуқықын бериўши 1-форма; онша үлкен болмаған майданларды (1 археологиялық объектте 20 кв метрге шекем) қазып ашқан ҳалда археологиялық излениўлерди ǝмелге асырыў ҳǝм археологиялық мийрас объектлериниң тарийхый-мǝдений экспертизасын өткериў ҳǝм археологиялық қадағалаўды ǝмелге асырыў шеңберинде жер участкаларын изертлеў ҳуқықын бериўши 2-форма; археологиялық объектте бирде-бир жер қазыў жумысларын орынламаған ҳалда, археологиялық излениўлерди ǝмелге асырыў (буған ашылып қалған жерлердеги шекленген тазалаў жумыслары кирмейди) ҳуқықын бериўши 3-форма; жер қазыў, қурылыс жумыслары ўақытында жемирилип атырған ямаса авариялық жағдайда болған археологиялық объектте оның жемирилиўи қǝўпин сапластырыў мақсетиндеги қорғаў-қутқарыў қазыўларын ǝмелге асырыў ҳуқықын бериўши 4-форма. 1 ҳǝм 4-формалар бойынша ашық қағазлар белгили бир археологиялық объектлерде археологиялық қазыўларды ǝмелге асырыў ушын бериледи. 2 ҳǝм 3-формалар бойынша ашық қағазлар Қарақалпақстан Республикасының тийисли ҳǝкимшилик-аймақлық бирлиги ҳǝм зǝрүр болған жағдайларда, белгили бир археологиялық объект көрсетилип, археологиялық излениўлерди ǝмелге асырыў ушын бериледи. Берилген сǝнесине қарамастан ашық қағаздың ҳǝрекет етиў мүддети календарлық жылдың соңғы күнинде тамамланады. 23-статья. Ашық қағаз ҳǝм рухсатнама алған археологтың ҳуқықлары Ашық қағаз ҳǝм рухсатнама алған археолог: археологиялық излениўлерди, археологиялық қазыўларды ҳǝм археологиялық қадағалаўды ашық қағазда белгиленген шеклерде ǝмелге асырыў; археологиялық объекттиң жемирилиўине алып келип атырған ҳǝр қандай ҳǝрекетлерди тоқтатыў талабы менен жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары ҳǝм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына мүрǝжат етиў; өзи анықлаған археологиялық предметлердиң археологиялық изертлениўи ҳǝм илимий экспертизасын өткериў ҳуқықына ийе болады. Ашық қағаз ҳǝм рухсатнама алған археолог нызам актлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. 24-статья. Ашық қағаз ҳǝм рухсатнама алған археологтың миннетлери Ашық қағаз ҳǝм рухсатнама алған археолог; рухсатнаманы мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў саласындағы мǝмлекетлик басқарыўды ǝмелге асырыўшы тийисли уйымда дизимнен өткериўи; археологиялық излениўлер, археологиялық қазыўлар ҳǝм археологиялық қадағалаўды ашық қағазда белгиленген шеклерде ǝмелге асырыў тǝртибине бойсыныўы; археологиялық излениўлер ҳǝм археологиялық қадағалаўды ǝмелге асырыўда археологиялық объектте анықланған жемирилиўлер ҳаққында мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў саласындағы мǝмлекетлик басқарыўды ǝмелге асырыўшы тийисли уйымға бир ҳǝпте мүддет ишинде жазба түрде хабар бериўи; археологиялық излениўлер, археологиялық қазыўлар ҳǝм археологиялық қадағалаўды ǝмелге асырыўда анықланған бурын белгисиз болған археологиялық объектлер ҳǝм археологиялық предметлер ҳаққында мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў саласындағы мǝмлекетлик басқарыўды ǝмелге асырыўшы тийисли уйымға жазба түрде хабар бериўи; толық тǝрийпи (материалы, өлшемлери, сǝнеси ҳǝм басқалар) менен ҳǝр бир археологиялық предметтиң дизимин дүзиўи; археологиялық объекттиң бирлемши консервациясы ҳǝм пүтин сақланыўын тǝмийинлеўи; археологиялық излениўлер, археологиялық қазыўлар ҳǝм археологиялық қадағалаўды ǝмелге асырыўда анықланған археологиялық предметлерди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тǝрепинен белгиленген тǝртипте мǝмлекетке тапсырыўы; ашық қағаздың ҳǝрекет етиў мүддети тамамланғаннан соң, бирақ келеси календарлық жылдың биринши шереги тамамланыўынан алдын, тийислисинше, Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги ҳǝм арнаўлы ўǝкилликли мǝкемеге илимий есабат усыныўы шǝрт. Ашық қағаз ҳǝм рухсатнама алған археолог нызам актлерине муўапық басқа да миннетлерге ийе болыўы мүмкин. 25-статья. Археологиялық объектлерде арнаўлы ǝсбап-үскенелерден пайдаланыў Археологиялық объектлерде арнаўлы ǝсбап-үскенелерден пайдаланыўға арнаўлы ўǝкилликли мǝкеме тǝрепинен берилген арнаўлы рухсатнама бар болса ғана жол қойылады. Археологиялық объектлерде арнаўлы ǝсбап-үскенелерден пайдаланыў тǝртиби ҳǝм шǝртлери арнаўлы ўǝкилликли мǝкеме тǝрепинен тастыйықланады. 26-статья. Илимий, мǝденият ҳǝм билимлендириў мǝкемелерине бекитилген археологиялық предметлердиң археологиялық изертлениўи Илимий, мǝденият ҳǝм билимлендириў мǝкемелерине бекитилген археологиялық предметлердиң археологиялық изертлениўи белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 27-статья. Илимий есабат дүзиў бойынша талаплар Илимий есабатта археологиялық изертлеўлер, археологиялық қазыўлар ҳǝм археологиялық қадағалаўды ǝмелге асырыўда анықланған ҳǝм (ямаса) изертленген археологиялық мийрас объектлери ҳаққындағы толық мағлыўматлар текст ҳǝм сызылма көринисинде усынылыўы керек. Илимий есабатқа археологиялық предмет мǝмлекетке тапсырылғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша етилиўи тийис. Илимий есабат мүддетсиз сақланыўы шǝрт. Илимий есабаттың рǝсмийлестирилиўи, мазмуны ҳǝм қосымшасына, оны усыныў мүддетине байланыслы талаплар, сондай-ақ илимий есабатты экспертизадан өткериў тǝртиби арнаўлы ўǝкилликли мǝкеме тǝрепинен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы аймағындағы археологиялық изертлеўлер ҳаққында тийисли ҳүжжетлерге ийе болған юридикалық шахслар арнаўлы ўǝкилликли мǝкемениң жазба сораўы бойынша усы ҳүжжетлердиң түп нусқасы ямаса көширме нусқаларын усыныўы шǝрт. Ашық қағаз ҳǝм рухсатнама алған археологтың илимий есабатқа болған авторлық ҳуқықы нызам актлерине муўапық тǝмийинленеди.

V БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР

 28-статья. Археологиялық мийрас объектлерин мǝмлекет тǝрепинен қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыўды қаржыландырыў Археологиялық мийрас объектлерин мǝмлекет тǝрепинен қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыўды, сондай-ақ археологиялық излениўлер, археологиялық қазыўлар ҳǝм археологиялық қадағалаўды қаржыландырыў Өзбекстан Республикасының Мǝмлекетлик бюджети қаржылары ҳǝм нызам актлеринде қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан ǝмелге асырылады. 29-статья. Археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў саласындағы халықаралық бирге ислесиў Археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў саласындағы халықаралық бирге ислесиў Өзбекстан Республикасының нызам актлери ҳǝм халықаралық шǝртнамаларына муўапық ǝмелге асырылады. 30-статья. Тартысларды шешиў Археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў саласындағы тартыслар нызам актлеринде белгиленген тǝртипте шешиледи. 31-статья. Археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлығы ушын жуўапкерлик Археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызам актлерин бузыўда айыплы болған шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.