Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

АРХИВ ИСИ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 30.06.2011-ж. №84/VI

 АРХИВ ИСИ ҲАҚҚЫНДА

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы 30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы

I БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР

 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети архив иси саласындағы қатнасықларды тǝртиплестириўден ибарат.  2-статья. Архив иси ҳаққындағы нызамшылық Архив иси ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳǝм басқа да нызам актлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының архив иси ҳаққындағы Нызам актлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шǝртнаманың қағыйдалары қолланылады.  3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: айрықша баҳалы ҳүжжет – өшпес тарийхый-мǝдений ҳǝм илимий қунлылыққа, жǝмийет ҳǝм мǝмлекет ушын айрықша ǝҳмийетке ийе болған, есапқа алыў, сақлаў ҳǝм пайдаланыўдың айрықша тǝртиби белгиленген архив ҳүжжети; архив – архив ҳүжжетлерин жǝмлеў, есапқа алыў, сақлаў ҳǝм олардан пайдаланыўды ǝмелге асырыўшы мǝкеме; архив иси – архив ҳүжжетлерин жǝмлеў, есапқа алыў, сақлаў ҳǝм олардан пайдаланыўды шөлкемлестириў бойынша жумыс; архив қоры – юридикалық ямаса физикалық шахслардың жумысы нǝтийжесинде пайда болған, тарийхый ямаса логикалық жақтан өз-ара байланыслы архив ҳүжжетлериниң жыйнағы; архив ҳүжжетлери – пуқаралар, жǝмийет ҳǝм мǝмлекет ушын ǝҳмийетли болғанлығы себепли сақланыўы тийис болған текстли, қолжазба ҳǝм машина менен оқылатуғын ҳүжжетлер, сесли жазыўлар, видеожазыўлар, киноленталар, фотосуўретлер, фотография пленкалары, сызылмалар, схемалар, карталар, сондай-ақ басқа да материаллық затлардағы жазыўлар; архив ҳүжжетлерин депозитар сақлаў – архив ҳүжжетлерин олардың мүлк ийеси (ийелик етиўши) менен архив, музей, мǝлимлеме-китапхана мǝкемеси арасындағы келисимде (шǝртнамада) белгиленетуғын мүддетлер ҳǝм шǝртлер тийкарында мүлк ийесиниң (ийелик етиўшиниң) архив ҳүжжетлерине болған мүлк ҳуқықын (ийелик етиў ҳуқықын) сақлап қалған ҳалда сақлаў; (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) мǝкеме архиви – юридикалық шахстың архив ҳүжжетлерин жǝмлеў, есапқа алыў, сақлаў ҳǝм олардан пайдаланыўды ǝмелге асырыўшы структуралық бөлимшеси; ис жүргизиў – юридикалық шахстың ҳүжжетлестириў ҳǝм рǝсмий ҳүжжетлер менен ислеўди шөлкемлестириў бойынша жумысын тǝмийинлеўши процесс; Миллий архив қоры - Қарақалпақстан халқының материаллық ҳǝм руўхый турмысын сǝўлелендиретуғын, тарийхый, илимий, социаллық, экономикалық, сиясий ҳǝм мǝдений ǝҳмийетке ийе болған тарийхый қǝлиплескен ҳǝм турақлы байытып барылатуғын архив ҳүжжетлериниң жыйнағы; Миллий архив қорының мǝмлекетлик каталогы – архив ҳүжжетлери Миллий архив қорының қурамына киргизилген архив қорларының көлеми ҳǝм қурамы ҳаққындағы тийкарғы мағлыўматларға ийе болған есапқа алыў ҳүжжети; теңи жоқ ҳүжжет – өзинде сақланған мағлыўмат ҳǝм (ямаса) сыртқы белгилери бойынша  уқсасы жоқ, жойтылған жағдайда өзиниң ǝҳмийети ҳǝм (ямаса) түп нусқа қолжазбалығы көз-қарасынан орнын толтырып болмайтуғын айрықша баҳалы ҳүжжет; қамсызландырыў нусқасы – айрықша баҳалы ҳүжжет ямаса теңи жоқ ҳүжжеттиң басқа материаллық заттағы, түп нусқада бар болған мағлыўматты оқыў ямаса көриў (еситиў) имканиятын бериўши көширме нусқасы; жеке қурам бойынша ҳүжжетлер – хызметкердиң жумыс бериўши менен мийнет қатнасықларын сǝўлелендириўши архив ҳүжжетлери.  4-статья. Архив ҳүжжетлерине болған меншик түрлери Архив ҳүжжетлери жеке ҳǝм ғалаба мүлкшилик түрлеринде болыўы мүмкин. Мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларында, мǝмлекетлик кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлерде турған архив ҳүжжетлери, сондай-ақ олар тǝрепинен мǝмлекетлик архивлер, музейлер ҳǝм мǝлимлеме-китапхана мǝкемелерине тапсырылған архив ҳүжжетлери мǝмлекет мүлки болып есапланады ҳǝм усы ҳүжжетлер мǝмлекет ийелигинен шығарыў ҳǝм меншиклестириў, алыў-сатыў ямаса мүлк ҳуқықын басқа шахсқа өткериў менен байланыслы басқа да келисимлер объекти болыўы мүмкин емес; (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Мǝмлекетлик кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлер мǝмлекет ийелигинен шығарылған, меншиклестирилген жағдайда олардың архив ҳүжжетлери, соның ишинде жеке қурам бойынша ҳүжжетлери мǝмлекет мүлки болып қалады ҳǝм белгиленген тǝртипте мǝмлекетлик архивлерге тапсырылады. Мǝмлекетлик емес кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлердиң архив ҳүжжетлери, сондай-ақ физикалық шахслардың жеке архив ҳүжжетлери олардың жеке мүлки болып табылады. Қайтыс болған пуқаралардың Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли болмаған бөлеги қурамына киргизилген жеке архив ҳүжжетлери, ўǝсиятнама ямаса нызам бойынша мийрасхорлары болмаған жағдайда, сондай-ақ, архив ҳүжжетлериниң мүлк ийелерин анықлаў имканияты болмаған жағдайда мǝмлекет мүлкине өтеди.  5-статья. Қайта шөлкемлестирилип атырған ҳǝм сапластырылып атырған кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлердиң архив ҳүжжетлери Кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлер қайта шөлкемлестирилип атырғанда олардың архив ҳүжжетлери тийисли мǝмлекетлик архивлер менен келисилген ҳалда усы кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлердиң ҳуқықый мийрасхорларына тапсырылады. Кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлер сапластырылып атырғанда, олардың архив ҳүжжетлери нызамшылықта белгиленген тǝртипте  тийисли мǝмлекетлик яки мәмлекетлик емес архивлерине тапсырылыўы керек. (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген)

 II БАП. АРХИВ ИСИ САЛАСЫНДАҒЫ МӘМЛЕКЕТЛИК БАСҚАРЫЎ

 6-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң архив иси саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: архив исин раўажландырыў ҳǝм архивлер жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша мǝмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳǝм ǝмелге асырыўда қатнасады; архив исин раўажландырыў ҳǝм архивлер жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша аймақлық бағдарламалардың ислеп шығылыўын, тастыйықланыўын ҳǝм ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; архив иси ҳǝм ис жүргизиўдиң жағдайы үстинен мǝмлекетлик қадағалаўды белгиленген тǝртипте ǝмелге асырады; архив ҳүжжетлерин жǝмлеў, мǝмлекет есабына алыў, сақлаў ҳǝм олардан пайдаланыў тǝртибин белгилеўде қатнасады; архив ҳүжжетлерин Миллий архив қоры қурамына киргизиў ҳǝм оның қурамынан шығарыў тǝртибин белгилеўде қатнасады; Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизилген архив ҳүжжетлерин турақлы (мүддетсиз) сақлаўды ǝмелге асыратуғын министрликлер, мǝмлекетлик комитетлер ҳǝм мǝкемелердиң дизимин қǝлиплестириўде қатнасады; архив ҳүжжетлериниң қупыялылық категорияларын, сондай-ақ, мǝмлекетлик сыр ҳǝм нызам менен қорғалатуғын басқа да сырларды өз ишине алған архив ҳүжжетлерин көрип шығыўға шеклеўлерди белгилеўде қатнасады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Нызамшылыққа муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин.  7-статья. Қарақалпақстан Республикасы Архив иси басқармасының архив иси саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Архив иси басқармасы (буннан былай текстте «Басқарма» деп алынады): архив иси ҳǝм ис жүргизиў саласында бирден-бир мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырады; Миллий архив қорының мǝмлекетлик каталогын жүргизеди; архив ҳүжжетлерин белгиленген тǝртипте Миллий архив қоры қурамына киргизиў ҳǝм оның қурамынан шығарыў бойынша жоқары уйымларға усыныс береди; архив ҳүжжетлерин  көрип шығыў тǝртибин ҳǝм шǝртлерин белгилеўге қатнасады; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) архив ҳүжжетлери мǝмлекетлик архивлерге тапсырылыўы тийис болған кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлердиң дизимин дүзиў тǝртибин белгилеўге қатнасады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Басқарма нызамшылыққа муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин.  8-статья. Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының архив иси саласындағы ўǝкилликлери Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары: Миллий архив қоры қурамына киргизилген, тийисли аймақта жайласқан мǝмлекетлик архивлер ҳǝм мǝкеме архивлеринде турған архив ҳүжжетлериниң сақланыўы ушын тийисли дǝрежеде шараятларды тǝмийинлейди; Миллий архив қоры қурамына киргизилген, тийисли аймақта жайласқан архивлер ҳǝм мǝкеме архивлеринде турған архив ҳүжжетлериниң жағдайы үстинен мǝмлекетлик қадағалаўды ǝмелге асырады; тийисли аймақтағы мǝмлекетлик архивлерди қаржыландырыў муғдарын өз ўǝкилликлери шеңберинде белгилейди. Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият ўйымлары нызамшылыққа  муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин.

 III БАП. МИЛЛИЙ АРХИВ ҚОРЫ

 9-статья. Миллий архив қорының қурамы Миллий архив қоры қурамына киргизилген архив ҳүжжетлери Қарақалпақстан халқы мǝдений мийрасының ажыралмас бөлеги болып табылады. Миллий архив қоры Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли бөлегинен ҳǝм мǝмлекетке тийисли болмаған бөлегинен ибарат. Миллий архив қоры қурамына киргизилген архив ҳүжжетлериниң пуқаралық айланысына усы Нызамда белгиленген шеклеўлерге ǝмел қылған ҳалда ғана жол қойылады.  10-статья. Архив ҳүжжетлерин Миллий архив қоры қурамына киргизиў Архив ҳүжжетлерин Миллий архив қоры қурамынан шығарыў тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Миллий архив қоры қурамына киргизилген архив ҳүжжетлериниң мүлк ийесине усы ҳүжжетлер дизимнен өткерилгенлиги ҳаққында гүўалық белгиленген тǝртипте бериледи. 11-статья. Архив ҳүжжетлерин Миллий архив қоры қурамынан шығарыў Архив ҳүжжетлерин Миллий архив қоры қурамынан шығарыў тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) 12-статья. Миллий архив қорының мǝмлекетлик каталогын жүргизиў Миллий архив қорының мǝмлекетлик каталогын жүргизиў Басқарма тǝрепинен ǝмелге асырылады.  13-статья. Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли бөлегиниң қурамы Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли бөлегиниң  қурамына, кимниң ийелигинде болыўына қарамастан, турақлы (мүддетсиз) сақланыўы тийис болған, мǝмлекет мүлки болған архив ҳүжжетлери киреди.  14-статья. Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли болмаған бөлегиниң қурамы Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли болмаған бөлегиниң қурамына турақлы (мүддетсиз) сақланыўы тийис болған, мǝмлекетлик емес кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлер жумысы нǝтийжесинде пайда болған архив ҳүжжетлери, сондай-ақ физикалық шахслардың жеке архив ҳүжжетлери киреди. 15-статья. Миллий архив қоры қурамына киргизилген архив ҳүжжетлериниң пуқаралық айланысы өзгешеликлери Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизилген архив ҳүжжетлерин ийеликтен шығарыў мүмкин емес. Усы ҳүжжетлер жойтылған ямаса уныраған жағдайда олар Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли бөлеги қурамынан шығарылады. Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли болмаған бөлеги қурамына киргизилген архив ҳүжжетлери тек ғана тийисли ўǝкилликли уйымлардың рухсаты бойынша ийеликтен шығарылыўы ямаса универсал ҳуқықый мийрасхорлық тǝртибинде ямаса басқа усылда бир шахстан екинши шахсқа өтиўи мүмкин.

 IV БАП. АРХИВЛЕРДИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ

 16-статья. Архивлерди шөлкемлестириў шǝртлери Архивлерди шөлкемлестириў ушын архив ҳүжжетлерин сақлаў ҳǝм олардан пайдаланыў талапларына жуўап беретуғын материаллық-техникалық база, соның ишинде имарат (бөлмелер), зǝрүрли үскенелер, қорғаныў қураллары ҳǝм өртке қарсы қураллар болыўы шǝрт. Архивлердиң тийкарғы жумыс түрлери бойынша ўақыт ҳǝм өндирислик үлги нормалары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тǝрепинен белгиленеди. Қупыя архивлер шөлкемлестирилиўине жол қойылмайды.  17-статья. Архивлердиӊ түрлери ҳәм категориялары Архивлер мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес архивлер түрлеринен дүзилиўи мүмкин. Мәмлекетлик архивлер төмендеги категорияларға бөлинеди: миллий архивлер; орайлық мәмлекетлик архивлери; Қарақалпақстан Республикасы ҳәм районлық (қалалық) мәмлекетлик архивлери; тармақлық мәмлекетлик архивлери. (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген)  18-статья. Архивлерди шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў ҳǝм сапластырыў тǝртиби Архивлерди шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў ҳǝм сапластырыў нызамшылықта белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады.  19-статья. Ведомостволық  архивлерди шөлкемлестириў Кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлер архив ҳүжжетлерин жǝмлеў, есапқа алыў, сақлаў ҳǝм олардан пайдаланыў ушын нызамшылықта  белгиленген тǝртипте ведомостволық  архивлерди шөлкемлестириўи мүмкин.

 V БАП. АРХИВ ҲҮЖЖЕТЛЕРИН ЖӘМЛЕЎ, ЕСАПҚА АЛЫЎ, САҚЛАЎ ҲӘМ ОЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎ

 20-статья. Архив ҳүжжетлерин жǝмлеў Архив ҳүжжетлерин жǝмлеў архивлер, ведомостволық  архивлер ҳǝм физикалық шахслардың жеке архив ҳүжжетлерин архив ҳүжжетлери менен толтырыўды өз ишине алады. Миллий архивлер, орайлық, Қарақалпақстан Республикасы, районлық (қалалық) мәмлекетлик архивлери мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымлары, мǝмлекетлик кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлердиң жумысы нǝтийжесинде пайда болған архив ҳүжжетлери, сондай-ақ олар тǝрепинен алынған ямаса оларға мǝмлекетлик емес кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлер жǝне физикалық шахслар тапсырған архив ҳүжжетлери менен жǝмленеди. (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Тармақлық мәмлекетлик архивлери тийисли министрликтиӊ, мәмлекетлик комитеттиӊ яки мәкемениӊ жумысы нәтийжесинде жаратылған архив  ҳүжжетлери менен жәмленеди. Мәмлекетлик емес архивлер нызамшылықта белгиленген тәртипте жәмленеди. (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Архив ҳүжжетлери мǝмлекетлик архивлерге тапсырылыўы тийис болған кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлердиң дизимин дүзиў тǝртиби Басқарма тǝрепинен ǝмелге асырылады. (18.08.2018-ж. 299/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Мǝмлекетлик емес ҳǝм физикалық шахслардың жеке архив ҳүжжетлери мǝмлекетлик мүлк болған архив ҳүжжетлери менен жǝмлениўине жол қойылмайды. Физикалық шахслардың жеке архив ҳүжжетлери сатылғанда мǝмлекетлик архивлер жеңилликли сатып алыў ҳуқықына ийе болады. Кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлер жеке қурам бойынша ҳүжжетлерди жǝмлеўи шǝрт. Архив ҳүжжетлерин жǝмлеў тǝртиби тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)  21-статья. Ҳүжжетлердиң қунлылығын анықлаў экспертизасы Ҳүжжетлердиң қунлылығын анықлаў экспертизасы ҳүжжетлер ямаса архив ҳүжжетлерин сақлаў ушын таңлап алыў мақсетинде олардың қунлылығын анықлаў бойынша илажлар комплексин өз ишине алады. Ҳүжжетлердиң қунлылығын анықлаў экспертизасын өткериў тǝртиби тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)  22-статья. Архив ҳүжжетлерин есапқа алыў Архив ҳүжжетлерин мǝмлекетлик есапқа алыў төмендегилерди өз ишине алады: архивлер ҳǝм ведомостволық  архивлерде есапқа алыў ҳүжжетлерин дүзиў; архивлер ҳǝм  ведомостволық архивлерде ҳүжжетлер топламын дүзиў ҳǝм оларды Басқармаға усыныў; Миллий архив қорының мǝмлекетлик каталогын жүргизиў. Архивлер ҳǝм ведомостволық  архивлердеги есапқа алыў ҳүжжетлерине төмендегилер киреди: ҳүжжетлердиң келип түсиў китабы; архив қорларының дизими; архив қоры бети; архив дизими; архив қоры ис қағазы. Архив ҳүжжетлерин мǝмлекетлик есапқа алыў тǝртиби тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Физикалық шахслардың жеке архив ҳүжжетлерин есапқа алыў олар тǝрепинен өз бетинше ǝмелге асырылады.  23-статья. Архив ҳүжжетлерин сақлаў Кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлердиң архив ҳүжжетлерин, сондай-ақ физикалық шахслардың жеке архив ҳүжжетлерин сақлаў олар тǝрепинен өз бетинше ǝмелге асырылады. Миллий архив қоры қурамына киргизилген архив ҳүжжетлери турақлы (мүддетсиз) сақланыўы тийис ҳǝм оларды жоқ қылыў қадаған етиледи. Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизилген архив ҳүжжетлерин турақлы (мүддетсиз) сақлаў мǝмлекетлик архивлер, музейлер ҳǝм мǝлимлеме-китапхана мǝкемелеринде, сондай-ақ дизими тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен тастыйықланатуғын министрликлер, мǝмлекетлик комитетлер ҳǝм мǝкемелерде ǝмелге асырылады. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген)  Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизилген архив ҳүжжетлерин министрликлер, мǝмлекетлик комитетлер ҳǝм мǝкемелерде турақлы (мүддетсиз) сақлаў Басқарма менен келисилген ведомстволық нормативлик ҳүжжетлер тийкарында ǝмелге асырылады. Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизилген архив ҳүжжетлерин мǝкеме архивлеринде ўақытша сақлаў усы Нызамның 24-статьясында белгиленген мүддет ишинде ǝмелге асырылады. Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли болмаған бөлеги қурамына киргизилген архив ҳүжжетлери архивлер ҳǝм мǝкеме архивлеринде, сондай-ақ физикалық шахслардың жеке архив ҳүжжетлери қурамында сақланыўы мүмкин. Кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлердиң архив ҳүжжетлери, физикалық шахслардың жеке архив ҳүжжетлери архивлер, музейлер ҳǝм мǝлимлеме-китапхана мǝкемелерине депозитар сақлаў ушын тапсырылыўы мүмкин. Кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлер жеке қурам бойынша ҳүжжетлерди сақлаўы шǝрт. Архив ҳүжжетлерин сақлаў тǝртиби тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)  24-статья. Архив ҳүжжетлерин ведомостволық  архивлерде ўақытша сақлаў мүддетлери Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизилген архив ҳүжжетлерин ведомостволық  архивлерде ўақытша сақлаўдың төмендеги мүддетлери белгиленеди: мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары ҳǝм мǝмлекетлик басқарыў уйымларының тийисли аймақлық бөлимлери, республикалық бойсыныўдағы мǝмлекетлик кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлердиң архив ҳүжжетлери – он жыл даўамында; районлық ҳǝм қалалық бойсыныўдағы мǝмлекетлик кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлердиң архив ҳүжжетлери – бес жыл даўамында; уставлық қорында мǝмлекеттиң үлеси болған, сырт ел инвестициялары қатнасыўындағы кǝрханалар, басқа да шөлкемлердиң архив ҳүжжетлери – он жыл даўамында; илимий, технологиялық, конструкторлық ҳǝм патент ҳүжжетлери – жигирма жыл даўамында; ири қурылыс бойынша жойбар ҳүжжетлери – жигирма бес жыл даўамында; телеметрикалық ҳүжжетлер – бес жыл даўамында; сесли жазыўлар, видеожазыўлар, киноленталар, фотосуўретлер, фотография плёнкалары – таярланған ўақтынан баслап үш жылдан аспаған мүддет даўамында; машинада оқылатуғын ҳүжжетлер – бес жыл даўамында; Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли бөлеги қурамына киргизилген архив ҳүжжетлерин ведомостволық архивлерде ўақтынша сақлаў мүддетлери өткеннен кейин олар белгиленген тǝртипте мǝмлекетлик архивке электрон көширме нусқалары менен бирге, айрықша қунлылыққа ийе болған ҳәм уникал ҳүжжетлер ушын болса қамсызландырыў нусқалары менен бирге тапсырылады. (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Егер нызамшылықта басқаша жағдай нǝзерде тутылмаған болса, пуқаралық ҳалатлар актлери жазыўлары, нотариал ҳǝрекетлер жазыўлары, жеке қурам бойынша ҳүжжетлер, суд ислери ҳǝм хожалық китаплары мǝкеме архивлеринде жетпис бес жыл даўамында сақланыўы тийис. Пуқаралық ҳалатлар актлери жазыўлары, нотариал ҳǝрекетлер жазыўлары, суд ислери ҳǝм хожалық китаплары мǝкеме архивлеринде ўақтынша сақланыўы мүддетлери өткеннен соң олар белгиленген тǝртипте мǝмлекетлик архивлерге тапсырылады.  25-статья. Архив ҳүжжетлериниң пүтин сақланыўын тǝмийинлеў Архивлер ҳǝм мǝкеме архивлеринде архив ҳүжжетлериниң пүтин сақланыўын тǝмийинлеў архивлер ҳǝм кǝрханалар, мǝкемелер, шөлкемлер басшыларына жүкленеди. Миллий архив қорының мǝмлекетке тийисли болмаған бөлеги қурамына киргизилген архив ҳүжжетлериниң пүтин сақланыўын тǝмийинлемей атырған меншик ийелери суд шешимине муўапық усы ҳүжжетлерге болған меншик ҳуқықынан айырылыўы мүмкин, буннан соң усы ҳүжжетлер сақлаў ушын тийисли мǝмлекетлик архивке тапсырылады. Мәмлекетлик архивлериниӊ имәратлары усы архивлерди архив ҳүжжетлерин сақлаўды ҳәм олардан пайдаланыўды шөлкемлестириў талапларына жуўап беретуғын имәратлар менен тәмийнленбестен турып басқа шахсқа өткерилмейди. (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлер жеке қурам бойынша ҳүжжетлердиң пүтин сақланыўын тǝмийинлеўи шǝрт. Физикалық шахслар өз жеке архив ҳүжжетлериниң пүтин сақланыўын өз бетинше тǝмийинлейди. Айрықша қунлы ҳүжжетлер ҳǝм теңи жоқ ҳүжжетлердиң қамсызландырыў нусқалары дүзиледи. Архив ҳүжжетлерин айрықша баҳалы ҳүжжетлер ҳǝм теңи жоқ ҳүжжетлер қатарына киргизиў тǝртиби, сондай-ақ. қамсызландырыў нусқаларын таярлаў ҳǝм сақлаў тǝртиби тийисли ўǝкилликли уйымлар тǝрепинен белгиленеди.  26-статья. Архив ҳүжжетлеринен пайдаланыў Архив ҳүжжетлеринен пайдаланыў хызмет, өндирислик, илимий, мǝдений, ағартыўшылық, билимлендириў мақсетинде ҳǝм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да мақсетлерде ǝмелге асырылады. Архив ҳүжжетлеринен пайдаланыўшылар: архив ҳүжжетлеринен пайдаланыў тǝртибине бойсыныўы; архив ҳүжжетлериниң пүтин сақланыўын тǝмийинлеўи; архив ҳүжжетлерине келтирилген зыян ямаса архив ҳүжжетлериндеги анықланған кемисликлер ҳаққында қыстаўлы түрде архив ҳǝм ведомостволық  архив хызметкерлерине хабар бериўи; архив ҳүжжетлеринен алынған мағлыўматларды бузып көрсетиў ямаса қǝлбекилестириўге жол қоймаўы шǝрт. Архив ҳүжжетлеринен пайдаланыў тǝртиби тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)  27-статья. Архив ҳүжжетлерин кирип көриў Архивлер ҳǝм мǝкеме архивлериндеги архив ҳүжжетлерин кирип көриў пайдаланыўшыға илимий-мағлыўматнама аппаратын, сондай-ақ, тийисли архив ҳүжжетлери ямаса олардың көширме нусқаларын усыныў арқалы тǝмийинленеди. Архивлер ҳǝм ведомостволық архивлердеги архив ҳүжжетлерин, сондай-ақ физикалық шахслардың жеке архив ҳүжжетлерин кирип көриў олардың пүтин сақланыўын тǝмийинлеў мақсетинде шеклениўи мүмкин, нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. Пуқаралардың жеке турмысы ҳаққындағы ямаса олардың өмири ҳǝм қǝўипсизлигине қǝўип туўдырыўшы мағлыўматларды өз ишине алған архив ҳүжжетлерин кирип көриў бойынша шеклеўлер архив ҳүжжетлери таярланған ўақыттан баслап жетпис бес жыл мүддетке белгиленеди. Усы мүддеттен алдын бул ҳүжжетлерди кирип көриўге пуқараның өзи тǝрепинен, ол қайтыс болғаннан соң болса усы пуқараның мийрасхорлары тǝрепинен рухсат берилиўи мүмкин. Архив ҳүжжетлерин кирип көриў тǝртиби ҳǝм шǝртлери тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Архив ҳүжжетлериниң қупыялылық категориялары, сондай-ақ мǝмлекетлик сыр ҳǝм нызам менен қорғалатуғын басқа да сырды өз ишине алған архив ҳүжжетлерин кирип көриў бойынша шеклеўлер тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)  28-статья. Архивлер ҳǝм ведомостволық архивлер тǝрепинен көрсетилетуғын хызметлер Архивлер ҳǝм ведомостволық архивлер тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленген тǝртипте хызмет көрсетеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Пуқаралардың ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплерин социаллық қорғаў ушын зǝрүр болған архив мағлыўматнамаларын, сондай-ақ тийисли мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларына архив мағлыўматнамаларын ҳǝм архив ҳүжжетиниң көширме нусқасын бериў бийпул ǝмелге асырылады.

 VI БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР

 29-статья. Архивлерди қаржыландырыў Мǝмлекетлик архивлерди қаржыландырыў Қарақалпақстан Республикасының  Бюджети қаржылары ҳǝм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан ǝмелге асырылады. Мǝмлекетлик архивлердиң төлемли хызметлер көрсетиўден ҳǝм қаржыландырыўдың басқа да дереклеринен алынатуғын қаржылары нызамшылықта белгиленген тǝртипте олардың материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ҳǝм хызметкерлерди материаллық хошаметлеўге бағдарланады. Мǝмлекетлик емес архивлерди қаржыландырыў олардың меншик ийелери қаржылары ҳǝм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан ǝмелге асырылады.  30-статья. Архив иси саласындағы халықаралық бирге ислесиў Архив иси саласындағы халықаралық бирге ислесиў Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳǝм халықаралық шǝртнамаларына муўапық ǝмелге асырылады.  31-статья. Тартысларды шешиў Архив иси саласындағы тартыслар нызамшылықта белгиленген тǝртипте шешиледи.  32-статья. Архив иси ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик Архив иси ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.