Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ КЕПИЛЛИКЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 28.12.2012-ж. №145/XI

 БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ КЕПИЛЛИКЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 11.08.2017-ж. 153/XVII–санлы ҚР Нызамы 29.06.2019-ж. 258/XXVI–санлы ҚР Нызамы 18.08.2020-ж. 47/VI–санлы ҚР Нызамы

I БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР

 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети бала ҳуқықларының кепилликлери тараўындағы қатнасықларды тǝртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Бала ҳуқықларының кепилликлери туўралы нызамшылық Бала ҳуқықларының кепилликлери туўралы нызамшылық усы Нызам ҳǝм басқа да нызам актлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының бала ҳуқықларының кепилликлери туўралы нызам актлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шǝртнама қағыйдалары қолланылады. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: бала (балалар) - он сегиз жасқа толғанға (ер жеткенге) шекемги болған шахс (шахслар); баланың нызамлы ўǝкиллери - ата-ана, перзентликке алыўшылар, қǝўендерлер ҳǝм ǝменгерлер; қǝўендерлик ҳǝм ǝменгерлик - ата-ана қарамағынан айрылған балаларды оларға тǝмийнлеў, тǝрбия ҳǝм билим бериў, сондай-ақ олардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин қорғаў мақсетинде орналастырыўдың ҳуқықый формасы. Қǝўендерлик он төрт жасқа толмаған, ǝменгерлик он төрт жастан он сегиз жасқа шекемги балаларға белгиленеди; жетим бала - ǝкеси де, анасы да қайтыс болған яки олар суд шешимине муўапық өлген деп жǝрияланған бала; физикалық ҳǝм (яки) руўхый раўажланыўында кемшиликлери бар бала - майыплықты белгилеў ушын жетерли болмаған физикалық, ақылый, сенсорлық (сезиў) ҳǝм (яки) руўхый кемшиликлери болған бала; социаллық қорғаўға мүтǝж балалар - жүзеге келген жағдайлар себепли аўыр турмыс шараятында қалған, мǝмлекет ҳǝм жǝмийет тǝрепинен айрықша қорғаўға ҳǝм қоллап-қуўатлаўға мүтǝж балалар, соның ишинде: майып; физикалық ҳǝм (яки) руўхый раўажланыўында кемшилиги бар; жетим; ата-ана қарамағынан айрылған; қǝнигелестирилген балалар мǝкемелеринде тǝрбияланыўшы; турақлы жасаў орнына ийе болмаған; кем тǝмийинленген шаңарақлардағы; жынаятлы жуўапкершиликке тартылған ҳǝм жазаны өтеў мǝкемелеринде турған; зорлық ҳǝм эксплуатация, қураллы соқлығысыўлар ҳǝм тǝбийий апатлар нǝтийжесинде жǝбирленген балалар; майып бала - физикалық, ақылый, сенсорлық (сезиў) ҳǝм (яки) руўхый кемшиликлери нǝтийжесинде турмыслық-жасаў искерлиги шекленгенлиги себепли социаллық жǝрдемге, қорғаўға мүтǝж ҳǝм нызамда белгиленген тǝртипте майып деп табылған бала; ата-ананың орнын басыўшы шахслар - нызамда белгиленген тǝртипте балаға қатнаслы ата-аналық ҳуқықын ǝмелге асырыўшы ҳǝм ата-аналық ўазыйпаларын орынлаўшы, бирақ баланың ата-анасы болмаған шахслар (перзентликке алыўшылар, қǝўендерлер ҳǝм ǝменгерлер); ата-ана қарамағынан айрылған бала - жетим баладан басқа, ҳǝр қандай себеплерге байланыслы ата-ана қарамағынан айрылған бала.  4-статья. Бала ҳуқықларын қорғаў бойынша мǝмлекетлик сиясат Бала ҳуқықларын қорғаў бойынша мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат: баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин тǝмийинлеў; баланың өмири ҳǝм денсаўлығын қорғаў; баланың кемситилиўине жол қоймаў; баланың ар-намысы ҳǝм қǝдир-қымбатын қорғаў; балалардың ҳуқықлары ҳǝм мүмкиншиликлериниң теңлигин тǝмийинлеў; бала ҳуқықлары кепилликлериниң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў; бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққындағы нызамшылықтың сақланыўын тǝмийинлеў; баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин тǝмийинлеў ҳǝм қорғаў бойынша мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм олардың лаўазымлы шахслары жумысының ашықлығы ҳǝм жǝриялылығын тǝмийинлеў; балалардың физикалық, интеллектуал, руўхый ҳǝм тǝрбиялық камалға келиўине жǝрдемлесиў; бала ҳуқықларын қорғаў саласындағы жумысты ǝмелге асырыўшы кадрлар таярлаў, олардың қǝнигелигин асырыў ҳǝм оларды қайта таярлаў; балаларда Ўатан сүйиўшилик, пуқаралық, кеңпейиллик ҳǝм тынышлықты сүйиўшилик сезимлерин қǝлиплестириў; баланы Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан халықларының тарийхый ҳǝм миллий дǝстүрлери, руўхый қǝдириятлары ҳǝм дүнья мǝденияты жетискенликлери менен таныстырыў; баланың шахсын, оның илимий, техникалық ҳǝм көркем дөретиўшилигин раўажландырыў; балалардың интасын қоллап-қуўатлаў; балада ҳуқықый сана-сезимди ҳǝм ҳуқықый мǝдениятты қǝлиплестириў; бала ҳуқықларын тǝмийинлеў мақсетинде мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен бирге ислесиўди раўажландырыў; балалардың социаллық бейимлесиўине, жас өспиримлердиң арасында ҳуқықбузыўшылықларды кемейтиўге жǝрдемлесиў. 5-статья. Мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларының бала ҳуқықларын тǝмийинлеў бойынша ўǝкилликлери Мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымлары өз ўазыйпалары шеңберинде төмендеги  ўǝкилликлерди ǝмелге асырады: бала ҳуқықларын тǝмийинлеў бойынша бирден-бир мǝмлекетлик сиясатты қǝлиплестириў ҳǝм ǝмелге асырыў; бала ҳуқықларын тǝмийинлеў бойынша үстин бағдарларды белгилеў; бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққындағы нызамшылықты орынлаў; бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин тǝмийинлеў бойынша мǝмлекетлик бағдарламалар ҳǝм аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыў жǝне ǝмелге асырыў; бала ҳуқықларын тǝмийинлеў бойынша мǝмлекетлик уйымлар, балалар мǝкемелери ҳǝм шөлкемлериниң жумысын муўапықластырыў ҳǝм қадағалаў; бала ҳуқықларын қорғаў бойынша мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыў бойынша илажларды белгиленген тǝртипте Қарақалпақстан Республикасының бюджети қаржылары ҳǝм нызам актлеринде қадаған етилмеген басқа да дǝреклердиң есабынан қаржыландырыў; мǝмлекетке қараслы балалар мǝкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳǝм мǝмлекетлик емес балалар мǝкемелерин раўажландырыўға жǝрдемлесиўдиң илажларын көриў; мǝлимлеме-ағартыўшылық жумысты ǝмелге асырыў; социаллық қорғаўға мүтǝж балаларды қоллап-қуўатлаў мǝселелерин шешиў. Мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымлары нызамшылыққа муўапық басқа ўазыйпаларды да ǝмелге асырыўы мүмкин. Бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплериниң қорғалыўын  тǝмийинлеў, мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм басқа да уйымлардың, шөлкемлердиң бала ҳуқықларын қорғаў бойынша жумысын муўапықластырыў мақсетинде нызамшылықта белгиленген тǝртипте бала ҳуқықлары бойынша ўǝкилликли уйым шөлкемлестирилиўи мүмкин. 6-статья. Бала ҳуқықларын тǝмийинлеўде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳǝм мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң қатнасыўы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳǝм мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер балаға оның ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин ǝмелге асырыўды ҳǝм қорғаўда жǝрдем береди, балаға яки оның нызамлы ўǝкилине ҳуқықый, методикалық, мǝлимлемелик ҳǝм басқа да жǝрдем көрсетеди. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳǝм мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер: бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин тǝмийинлеў бойынша мǝмлекетлик бағдарламалар ҳǝм аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыўда жǝне ǝмелге асырыўда қатнасыўы; бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин тǝмийинлеў бойынша ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўда мǝмлекеттен ҳǝм халықаралық шөлкемлерден методикалық, шөлкемлестириўшилик ҳǝм қаржылай жǝрдем алыўы мүмкин.

II БАП. БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ ТИЙКАРҒЫ КЕПИЛЛИКЛЕРИ

 7-статья. Бала ҳуқықларының нызамлылық кепилликлери Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан Республикаларының Конституциялары, усы Нызам ҳǝм басқа да  нызамшылық актлерине муўапық ҳǝр бир балаға инсан ҳǝм пуқара ҳуқықлары жǝне еркинликлери тийисли болады ҳǝм мǝмлекет тǝрепинен кепилленеди. Некеде ҳǝм некесиз туўылған балалар тең ҳǝм ҳǝр тǝреплеме қорғаўдан пайдаланады. Мǝмлекет баланың  барлық түрлердеги кемситиўлерден қорғалыўын тǝмийинлеў ушын зǝрүрли илажлар көреди. Баланың ҳуқықлары шеклениўи мүмкин емес, нызамда белгиленген жағдайлар буған кирмейди. 8-статья. Баланың жасаў ҳуқықы кепилликлери Жасаў ҳуқықы ҳǝр бир баланың ажыралмас ҳуқықы болып табылады. Баланың өмирине қастыянлық етиў ең аўыр жынаят есапланады. Мǝмлекет саламат баланың туўылыўын ҳǝм раўажланыўын тǝмийинлеў  ушын шараят жаратады.  9-статья. Баланың индивидуаллыққа ҳǝм оны сақлап қалыўға болған ҳуқықының кепилликлери Ҳǝр бир бала туўылған ўақтынан баслап фамилиясы, аты, ǝкесиниң атын алыў, миллети ҳǝм пуқаралығына ийе болыў ҳуқықына, сондай-ақ оларды сақлап қалыў ҳуқықына ийе. 10-статья. Баланың еркинлик ҳǝм жеке қол қатылмаслық ҳуқықының кепилликлери Ҳǝр бир бала еркинлик, жеке қол қатылмаслық, турақ жайына қол қатылмаслық ҳǝм хат-хабарларын сыр сақлаў ҳуқықына ийе. Ҳǝр бир бала өз ар-намысына ҳǝм қǝдир-қымбатына қастыянлық етилиўлерден, жеке өмирине нызамсыз араласыўлардан қорғалыў ҳуқықына ийе. Бала нызамға тийкарланбаған ҳалда усланып турылыўы, иркиўге алыныўы, қамаққа алыныўы мүмкин емес. Мǝмлекет баланың жеке шахсының, жасаў орнының қол қатылмаслығын, хат-хабарларының сыр сақланыўын тǝмийинлейди ҳǝм баланы эксплуатацияның барлық түрлеринен, соның ишинде, физикалық, руўхый ҳǝм жынысый зорлаўлардан, қыйнаўға салыўлардан яки мийримсиз, қопал ямаса ар-намысын кемситиўши басқа да түрдеги қатнаслардан, жеңилтеклик қатнас ҳǝрекетлерден, жынаятқа, бузықшылық пенен шуғылланыўға тартылыўдан қорғаўды ǝмелге асырады. 11-статья. Баланың қорғалыўға болған ҳуқықының кепилликлери Ҳǝр бир балаға оның ҳуқықларын, еркинликлерин ҳǝм нызамлы мǝплерин суд арқалы қорғаў, мǝмлекетлик уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳǝм мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң нызамсыз шешимлери, лаўазымлы шахслардың нызамсыз ҳǝрекетлери (ҳǝрекетсизлиги) үстинен судқа шағым етиў ҳуқықы кепилленеди. Баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин қорғаў оның ата-анасы, ата-ананың орнын басыўшы шахслар, нызамда нǝзерде тутылған жағдайларда болса қǝўендерлик ямаса ǝменгерлик уйымы, прокурор, суд тǝрепинен ǝмелге асырылады. Ер жеткенге шекем нызамға муўапық  толық қатнасқа уқыплы деп тǝн алынған (эмансипация) бала өз ҳуқықларын, сондай-ақ, қорғалыўға болған ҳуқықын еркин ҳǝм бийғǝрез ǝмелге асырыўға жǝне миннетлерин бийғǝрез орынлаўға  ҳақылы. Бала ата-ана ҳǝм ата-ананың орнын басыўшы шахслар тǝрепинен кемситиўлерден қорғалыў ҳуқықына ийе. Баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплери бузылғанда, сондай-ақ ата-ана (олардың биреўи), яки ата-ананың орнын басыўшы шахслар баланы тǝмийинлеў, тǝрбия ҳǝм билим бериў бойынша миннетлемелерин орынламаған яки тийисли дǝрежеде орынламағанда ямаса ата-аналық ҳуқықларынан пайдаланып баланы кемситкенде, бала өз ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплериниң қорғалыўын сорап қǝўендерлик ҳǝм ǝменгерлик уйымына, сондай-ақ басқа мәмлекетлик уйымларға еркин түрде мүрǝжат етиўге ҳақылы. Бундай мүрǝжатлар бала толық ҳәрекет уқыплылығына ийе болмағанлығы себепли көрип шықпастан қалдырыўға жол қойылмайды. (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Баланың өмири, яки ден саўлығына қǝўип туўылыўынан, оның ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплери бузылғанлығынан хабардар болған жеке шахслар бул туўралы баланың ҳақыйқый жасайтуғын жериндеги қǝўендерлик ҳǝм ғамхорлық уйымына хабарлаўы шǝрт. Усындай мағлыўматлар алынған жағдайда қǝўендерлик ҳǝм ǝменгерлик уйымы баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин қорғаў бойынша зǝрүрли илажлар көриўи шǝрт.  12-статья. Балаларды тǝрбиялап атырған шаңарақларды мǝмлекет тǝрепинен қоллап-қуўатлаў Мǝмлекет балаларды тǝрбиялап атырған шаңарақларды қоллап-қуўатлаўды кепилликке алады, сондай-ақ нызамшылықта белгиленген тǝртипте оларға социаллық жǝрдем көрсетилиўин тǝмийинлейди.  13-статья. Баланың шаңарақлық орталыққа болған ҳуқықының кепилликлери Ҳǝр бир бала шаңарақта жасаў ҳǝм тǝрбияланыў, өз ата-анасын билиў, олар менен бирге жасаў ҳǝм олардың ғамхорлығынан пайдаланыў ҳуқықына ийе, оның мǝплерине қарсы болған жағдайлар буған кирмейди. Баланың ата-анасы болмағанда, олар ата-аналық ҳуқықынан айрылғанда ҳǝм бала ата-ана қарамағынан айрылған басқа да жағдайларда, оның шаңарақта жасаў ҳǝм тǝрбияланыў ҳуқықы қǝўендерлик ҳǝм ǝменгерлик уйымы тǝрепинен тǝмийинленеди. Бала ǝкеси, анасы, атасы, кемпир апасы, аға-инилери, апа-сиңлилери ҳǝм басқа да туўысқанлары менен көрисиў ҳуқықына ийе. Ата-анасының некеден ажырасыўы, некениң ҳақыйқый емес деп табылыўы яки ǝке ҳǝм ананың бөлек жасаўы баланың ҳуқықларына тǝсир етпейди. Әке ҳǝм ана түрли мǝмлекетлерде жасаған жағдайда да бала олар менен көрисиў ҳуқықына ийе. Экстремал жағдайларға (услап турыў, иркиўге алыў, қамаққа алыў, емлеў мǝкемелеринде болыў ҳǝм басқа да жағдайларға) түсип қалған бала өз ата-анасы ҳǝм басқа да туўысқанлары менен нызамшылықта белгиленген тǝртипте көрисиў ҳуқықына ийе.  14-статья. Баланың нызамсыз көширилиўден қорғалыў ҳуқықының кепилликлери Ҳǝр бир бала нызамсыз көширилиўден ҳǝм шет елден қайтарылмаўдан қорғалыў ҳуқықына ийе. Баланың шет елге сапарлары тек ата ҳǝм ананың, яки ата-ананың орнын басыўшы шахслардың келисими менен нызамшылыққа муўапық ǝмелге асырылыўы мүмкин. Усы мǝселе бойынша ǝке ҳǝм ана яки ата-ананың орнын басыўшы шахслар ортасындағы ҳǝр қандай келиспеўшилик суд тǝрепинен шешиледи. Әке ҳǝм ана, яки ата-ананың орнын басыўшы шахслар баланың жоғалғанлығы ҳаққында тийисли уйымларға дǝрҳал хабар бериўи шǝрт. Әке ҳǝм ана яки ата-ананың орнын басыўшы шахслардың  қараўында болмаған балалар олардың жанына кепилликли қайтарылыў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасының дипломатиялық ўǝкилликлери шет елде нызамлы ўǝкиллериниң қараўысыз турған балалардың - Өзбекстан Республикасы пуқараларының есабын жүргизеди ҳǝм олардың қайтарылыўы бойынша илажлар көреди. Ата-анасы бийдǝрек жоғалған деп табылған яки олар қайтыс болды деп жǝрияланған жағдайда, қǝўендерлик ҳǝм ǝменгерлик уйымы усы балаларды шаңарақларға, бундай мүмкиншилик болмағанда жетим балалар яки ата-ана қарамағынан айрылған балалар ушын арналған мǝкемелерге орналастырыў илажларын көреди. Нызамлы ўǝкиллердиң қараўысыз шет елде турған балаларды қайтарыў мǝселелери Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамалары тийкарында шешиледи. Қарақалпақстан Республикасының нызамшылығына ҳǝм халық аралық шǝртнамаларына муўапық, мǝмлекет орынлаў мақсетлери, түрлери ҳǝм усылларына қарамастан, балаларды нызамсыз көшириўдиң алдын алыў, сондай-ақ оларды турақлы жасайтуғын мǝмлекетине қайтарыў илажлары көриледи. 15-статья. Баланың өз пикирин билдириў ҳуқықының кепилликлери Шаңарақта ҳǝр бир бала өз пикирин билдириўге, сондай-ақ ҳǝр қандай суд мǝжилиси яки ҳǝкимшилик талқылаўларда өз мǝплерине байланыслы мǝселелер бойынша сөзге шығыўға ҳақылы. Бунда қарар қабыл етиўге ўәкилликли болған уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар баланың мәплерине тийисли мәселелерди шешиўде баланың пикирин, оның жасына қарамастан, көрип шығыўы ҳәмде баланың тийкарлы мәплеринен келип шыққан ҳалда қарарлар қабыл етиўи керек. (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 16-статья. Баланың мǝлимлеме алыў ҳуқықының кепилликлери Ҳǝр бир бала өзиниң ден саўлығына, тǝрбиялық ҳǝм руўхый камалға жетиўине зыяны тиймейтуғын мǝлимлемени алыў ҳуқықына ийе. Ҳǝр бир бала ҳǝр қандай мǝлимлемени излеў, алыў ҳǝм тарқатыў ҳуқықына ийе, нызамда нǝзерде тутылған шеклеўлер буған кирмейди. Порнография, жаўызлық ҳǝм зорлықларды сǝўлелендириўши, инсанның қǝдир-қымбатын кемситиўши, балаларға зыянлы тǝсир ететуғын ҳǝм ҳуқықбузыўшылықлардың келип шығыўына себеп болатуғын ғалаба хабар қуралларынан пайдаланыў, ǝдебиятларды тарқатыў ҳǝм фильмлерди көрсетиў қадаған етиледи. 17-статья. Баланың ойлаў, сөйлеў, ҳүждан ҳǝм исеним еркинлиги ҳуқықының кепилликлери Бала ойлаў, сөйлеў, ҳүждан ҳǝм исеним еркинлиги ҳуқықына ийе. Баланың пикир жүргизиў ҳǝм оны билдириў еркинлиги нызамда белгиленген тǝртипте шеклениўи мүмкин. 18-статья. Баланың жеке меншикке болған ҳуқықының кепилликлери Бала нызамда белгиленген тǝртипте жеке меншик ҳуқықына ийе болыўы мүмкин. Баланың жеке пайдаланыўында болған, бала тǝрепинен саўға, мийрас сыпатында алынған, жеке мийнети есабынан яки басқа нызамлы усылда алынған буйымлар, мал-мүлклер оның жеке меншиги болып есапланады. 19-статья. Баланың турақ жайға болған ҳуқықының кепилликлери Ҳǝр бир бала турақ жайлы болыў ҳуқықына ийе. Бул ҳуқық нызамшылықта белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. Турақ жай меншик ийесиниң яки турақ жайды ижараға алыўшының шаңарақ ағзалары болған балалар, олар қай жерде болыўына қарамастан, турақ жай меншик ийеси яки турақ жайды ижараға алыўшы ийелеп турған турақ жайға тийисли ҳуқыққа ийе болады. Тǝрбия, емлеў мǝкемелери ҳǝм басқа мǝкемелерде, туўысқанлары, қǝўендерлердиң яки ǝменгерлери қарамағында болған жетим балалар, ата-анасының қарамағынан айрылған балалар турақ жайға болған меншик ҳуқықын яки турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын сақлап қалады. Қǝўендерлик яки ǝменгерлик белгиленген баланың меншигинде яки пайдаланыўында болған турақ жайды өзге шахсқа өткериў ушын қǝўендерлик яки ǝменгерлик уйымының келисими талап етиледи.  20-статья. Баланың мийнет етиў ҳуқықының кепилликлери Ҳǝр бир бала өзиниң жасы, денсаўлығының жағдайы ҳǝм кǝсиплик таярлығына муўапық нызамшылықта белгиленген тǝртипте мийнет етиў, жумыс түрин ҳǝм кǝсипти еркин таңлаў, ǝдил мийнет шараятларында ислеў ҳуқықына ийе. Жумысқа қабыл етиўге он алты жастан баслап жол қойылады. Балаларды мийнетке таярлаў ушын улыўма билим беретуғын мектеплер, орта арнаўлы, кǝсип-өнер оқыў орынларының оқыўшыларын олардың денсаўлығына ҳǝм руўхый раўажланыўына зыян келтирмейтуғын, билим алыў процессин бузбайтуғын жеңил жумысты оқыўдан бос ўақытларында орынлаўы ушын олар он бес жасқа толғаннан кейин ата-анасынан биреўиниң яки ата-анасының орнын басыўшы шахслардан бириниң жазба түрдеги келисими менен жумысқа қабыл етиўге жол қойылады. Мǝмлекет тǝрепинен он сегиз жасқа толмаған жумыс ислеўши шахсларға жумысты билим алыўы менен бирге қосып алып барыўы ушын зǝрүрли шараятларды жаратып бериў ҳǝм нызамшылықта нǝзерде тутылған басқа да илажларды көриў арқалы баланың мийнет етиў ҳуқықының тǝмийинлениўи кепилленеди. 21-статья. Баланың дем алыў ҳǝм бос ўақытқа болған ҳуқықының кепилликлери Ҳǝр бир бала өзиниң жасы, денсаўлығы ҳǝм мүтǝжликлерине сǝйкес келетуғын дем алыў ҳǝм бос ўақытқа болған ҳуқықына ийе. Ата-анасы яки ата-анасының орнын басыўшы шахслар өз қǝбилийетлери ҳǝм имканиятларына муўапық баланың ҳǝр тǝреплеме жетилисиўи ҳǝм раўажланыўы ушын зǝрүрли турмыс шараятын тǝмийинлейди. Балалар саламатландырыў, спорт, дөретиўшилик шөлкемлери ҳǝм дем алыў жǝне бос ўақытты шөлкемлестиретуғын басқа да шөлкемлер нызамшылыққа муўапық мǝмлекетлик уйымлар тǝрепинен шөлкемлестириледи ҳǝм қоллап-қуўатланады.  22-статья. Баланың денсаўлығын сақлаў ҳуқықының кепилликлери Ҳǝр бир бала денсаўлығын сақлаў ҳуқықына ийе. Мǝмлекет саламат бала туўылыўын тǝмийинлеў ушын анаға оның ден саўлығын сақлаў бойынша шараятлар жаратады. Мǝмлекет балаларға нызамшылыққа муўапық көлемдеги пулсыз медициналық жǝрдем көрсетиўге кепиллик береди. Баланың денсаўлығын сақлаў ҳуқықы мǝмлекет тǝрепинен төмендеги жоллар менен тǝмийинленеди: қǝнигели медициналық хызмет көрсетилиўин шөлкемлестириў; баланың, оның ата-анасының саламатлығы ҳǝм балалар кеселликлери профилактикасы жағдайын қадағалаў; балалар ҳǝм жас өспиримлерди профилактикалық-емлеў мǝкемелеринде диспансерлик тексериўлерден өткериў ҳǝм емлеў; талап дǝрежесиндеги сапаға ийе болған азық-аўқат өнимлериниң ислеп шығарылыўын ҳǝм сатылыўын қадағалаў; баланың физиологиялық өзгешеликлери ҳǝм денсаўлығы жағдайына жуўап беретуғын билим алыў ҳǝм мийнет етиў шараятларын жаратыў; кǝсипке жарамлылығын анықлаўда Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан пулсыз медициналық мǝслǝҳǝт бериў; санитариялық-гигиеналық билим бериў, саламат турмыс тǝризин үгит-нǝсиятлаў ҳǝм хошаметлеў; денсаўлығының жағдайы ҳаққында бала ушын қолай болған усылда зǝрүрли мағлыўмат бериў. Он төрт жастан үлкен жастағы бала мағлыўматларды билген ҳалда медициналық араласыўға ерикли түрде келисим бериў яки қарсылық билдириў ҳуқықына ийе. Бала менен оның өмирине, денсаўлығына ҳǝм нормал раўажланыўына зыян тийгизетуғын ҳǝр қандай илимий тǝжирийбе яки басқа экспериментлер өткериў қадаған етиледи. Мǝмлекет арнаўлы шеклеўлерди орнатыў ҳǝм арнаўлы профилактикалық бағдарламаларды ǝмелге асырыў арқалы баланы алкогольға болған мейилликтен, шегиўден, нǝшебентлик затларды, психотроп затлар ҳǝм интеллектуал-жигерли искерлигине тǝсир көрсететуғын басқа да затларды пайдаланыўдан қорғаў бойынша зǝрүрли илажларды көреди.  23-статья. Баланың билим алыў ҳуқықының кепилликлери Ҳǝр бир бала билим алыў ҳуқықына ийе. Мәмлекет баланыӊ пулсыз мәжбүрий улыўма орта билим ҳәм орта арнаўлы  билим алыўына кепиллик береди. (29.03.2019-ж. 258/XXVI санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)

III БАП. СОЦИАЛЛЫҚ ҚОРҒАЎҒА МҮТӘЖ БАЛАЛАР ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ ҚОСЫМША КЕПИЛЛИКЛЕРИ

24-статья. Социаллық қорғаўға мүтǝж балалардың шаңарақ орталығына болған ҳуқықының кепилликлери Мǝмлекет баланың шаңарақта болыўына тосқынлық ететуғын шараятларды сапластырыў, бала шаңарағынан ажыратылған жағдайларда оны шаңарағына тезирек қайтарыў бойынша зǝрүрли илажлар көреди. Мǝмлекет майып балаларды ҳǝм физикалық жǝне (яки) руўхый раўажланыўында кемшилиги болған балаларды тǝрбиялап атырған шаңарақларға материаллық жǝрдем, мǝслǝҳǝт жǝрдеми ҳǝм басқа да жǝрдемлер көрсетеди жǝне оларды қоллап-қуўатлайды. Ата-ана қарамағынан айырылған балаға ғамхорлық етиўде жеңилликли ҳуқық бул ўазыйпаны орынлаўға имканияты бар туўысқанларына бериледи. Баланы шаңараққа орналастырыўдың имканияты болмаған жағдайда, оны қǝнигелестирилген мǝкемелерге орналастырыў ақырғы шара болып есапланады. Шаңарақта тǝрбияланыўы мүмкин болмаған социаллық қорғаўға мүтǝж балалар оларға зǝрүр ғамхорлықты ҳǝм қоллап-қуўатлаўды тǝмийинлейтуғын альтернативалық түрде орналастырылыў ҳуқықына ийе. Социаллық қорғаўға мүтǝж балаларды альтернативалық орналастырыўдың түрлери төмендегилерден ибарат: қǝўендерлик ҳǝм ǝменгерликти белгилеў; баланы перзентликке алыў; шаңараққа тǝрбияға алыў (патронат); қǝнигелестирилген тǝрбия, емлеў мǝкемелерине, социаллық қорғаў мǝкемелерине орналастырыў. Нызамшылыққа муўапық социаллық қорғаўға мүтǝж балаларды альтернативалық орналастырыўдың басқа түрлери де нǝзерде тутылыўы мүмкин. Социаллық қорғаўға мүтǝж балаларды альтернативалық орналастырыў тǝртиби нызамшылық пенен белгиленеди. 25-статья. Социаллық қорғаўға мүтǝж балалардың жǝмийетке енисиў ҳуқықының кепилликлери Социаллық қорғаўға мүтǝж балалар жǝмийет турмысында қатнасыўда басқа балалар менен тең ҳуқыққа ийе. Мǝмлекет социаллық қорғаўға мүтǝж балалар ҳǝм олардың шаңарақларының жǝмийеттиң турмысында белсене қатнасыўын тǝмийнлеў ушын олардың абыройы ҳǝм қǝдир-қымбатын кемситпеў шǝртлери тийкарында бағдарламалар ислеп шығыў бойынша басламашы болады ҳǝм зǝрүр ресурслар ажыратады. Билимлендириў, медициналық ҳǝм мǝдений-ағартыўшылық мǝкемелери майып балалар ҳǝм физикалық жǝне (яки) руўхый раўажланыўында кемшиликлери бар балалардың еркин ҳǝрекетлениўи ушын бейимлестирилген болыўы керек. Мǝмлекет социаллық қорғаўға мүтǝж балаларды реабилитация етиў системасын қǝлиплестиреди ҳǝм раўажландырыўды шөлкемлестиреди жǝне оған жǝрдемлеседи. Майыплық белгиленген ўақыттан баслап бала тийисли мǝмлекетлик уйымлары тǝрепинен орынланыўы мǝжбүрий болған жеке тǝртиптеги реабилитация бағдарламасынан пайдаланыў ҳуқықына ийе. 26-статья. Социаллық қорғаўға мүтǝж балалардың турақ жайға болған ҳуқықларының кепилликлери Жетим балалар ҳǝм ата-ана қарамағынан айрылған балалар, толық мǝмлекет тǝмийинлеўинде турған қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелерин питкерген яки жазаны өтеў мǝкемелеринен азат етилген балалар, сондай-ақ социаллық қорғаўға мүтǝж болған басқа категориядағы балалар өзлери бурын жасаған турақ жай майданына ийе болыў яки нызамшылыққа муўапық турақ жай алыў ҳуқықына ийе. 27-статья. Социаллық қорғаўға мүтǝж балалардың социаллық жǝрдем алыўға болған ҳуқықының кепилликлери Социаллық жǝрдем оны алыў ҳуқықына ийе болған ҳǝр бир балаға тайынланады. Социаллық жǝрдем көрсетиў муғдары, шǝртлери ҳǝм тǝртиби нызамшылық  пенен белгиленеди. Мǝмлекетлик уйымлар ата-ана қарамағынан айрылған ҳǝр бир балаға, балалардың орналастырылыў түрине қарамастан, материаллық ҳǝм басқа да шараятларды тǝмийинлейди. Мǝмлекет социаллық қорғаўға мүтǝж балаларды қоллап-қуўатлаўға бағдарланған қǝўендерлик бағдарламаларды нызамшылыққа муўапық хошаметлейди.  271-статья. Толық мǝмлекет тǝмийинлеўинде болған жетим балалар ҳǝм ата-анасының ямаса басқа нызамлы ўǝкиллериниң қарамағынан айрылған балалардың ҳуқықларының кепилликлери Жетим балалар ҳǝм ата-анасының ямаса басқа нызамлы ўǝкиллериниң қарамағынан айрылған балалар мǝмлекетлик тǝрбия, емлеў-саўалландырыў, медициналық-социаллық мǝкемелерге, орта арнаўлы, билимлендириў мǝкемелерине тǝрбияға берилген күннен баслап толық мǝмлекет тǝмийнлеўинде болады. ( 29.06.2019-ж. 258/XXVI санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Толық мǝмлекет тǝмийинлеўинде болған жетим балаларға ҳǝм ата-анасының ямаса басқа нызамлы ўǝкиллериниң қарамағынан айрылған балаларға билим бериў, оларды турақ жай, азық-аўқат өнимлери, кийим-кеншек, аяқ кийим ҳǝм басқа да зǝрүрли буйымлар менен тǝмийинлеў, олар билимлендириў мǝкемелерин питкерип атырғанда, жумысқа қабыл етилип атырғанда кийим-кеншек, аяқ кийим ҳǝм басқа да зǝрүрли буйымларды сатып алыў ушын напақа төлеў белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. 28-статья. Майып балалар, физикалық ҳǝм (яки) руўхый раўажланыўында кемшиликлери болған балалардың медициналық-социаллық жǝрдем алыўға болған ҳуқықының кепилликлери Майып балалар медициналық-социаллық жǝрдем алыў ҳуқықына ийе болып, бул профилактикалық, емлеў-диагностикалық реабилитациялаў, санаторий-курортлық, протез-ортопедиялық жǝрдемлерди, ҳǝрекетлениў үскенелери менен жеңиллетилген шǝртлерде тǝмийинлениўин ҳǝм басқа да жǝрдем түрлерин өз ишине алады. Майып балалар мǝмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасы мǝкемелеринде бийпул медициналық-социаллық жǝрдем алыў ҳǝм өз үйлеринде күтим қылыныў ҳуқықына ийе. (11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Физикалық ҳǝм (яки) руўхый раўажланыўында кемшиликлери болған балаларға медициналық-социаллық жǝрдем көрсетиў тǝртиби, оларға берилетуғын жеңилликлер дизими нызамшылық пенен белгиленеди. Физикалық ҳǝм (яки) руўхый раўажланыўында кемшиликлери болған балалар ата-анасы яки ата-анасының орнын басыўшы шахслардың арзасына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Мǝмлекетлик бюджети, қайырқомлық ҳǝм басқа да қорлардың қаржылары есабынан, сондай-ақ ата-анасы яки ата-анасының орнын басыўшы шахслардың қаржылары есабынан социаллық қорғаў системасы мǝкемелеринде сақланыўы мүмкин.  29-статья. Социаллық қорғаўға мүтǝж балалардың билим алыўға болған ҳуқықының кепилликлери Мǝмлекет арнаўлы педагогикалық қатнас зǝрүрлиги болған социаллық қорғаўға мүтǝж балалардың белгиленген билимлендириў стандартлары ҳǝм талаплары дǝрежесинде билим алыўын кепиллеўши тийисли қаржылар ажыратады ҳǝм басқа да илажлар көреди. Физикалық ҳǝм (яки) руўхый раўажланыўында кемшиликлери болған балалар жǝне майып балалар олар ушын арнаўлы ислеп шығылған билимлендириў бағдарламалары бойынша билимлендириў мǝкемелеринде оқыў ҳǝм тǝрбияланыў жǝне өз физикалық, ақылый қǝбилийети ҳǝм қǝлеўине қарай билим алыў ҳуқықына ийе. Медициналық-психологиялық-педагогикалық комиссияның усынысы болған жағдайда, физикалық ҳǝм (яки) руўхый раўажланыўында кемшиликлери болған балалар жǝне майып балалардың ата-аналары өз тилек ҳǝм қǝлеўине қарай жǝне баланың қызығыўшылығынан келип шыққан ҳалда билимлендириў (улыўма яки қǝнигелестирилген) мǝкемесиниң түрин таңлаў ҳуқықына ийе. Социаллық қорғаўға мүтǝж балаларға орта арнаўлы, кǝсип-өнер ҳǝм жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўинде нызамшылық пенен жеңилликлер белгилениўи мүмкин.

IV БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР

 30-статья. Тартысларды шешиў Бала ҳуқықларының кепилликлери тараўындағы наразылықлар нызамшылықта белгиленген тǝртипте шешиледи. 31-статья. Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жуўапкерлик Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.