БАСПА ЖУМЫСЫ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 12.11.2003-жыл №217/II
БАСПА ЖУМЫСЫ ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамы 1-статья. Баспа жумысы ҳаққында нызам Қарақалпақстан Республикасында баспа жумысы тараўындағы қатнасықлар усы Нызам ҳǝм басқа да нызам актлери менен ретлестириледи. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамаларында баспа жумысы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Нызам актлериндегиден басқа режелер белгиленген болса, онда халықаралық шǝртнамаларда нǝзерде тутылған режелер қолланылады. 2-статья. Баспа жумысының еркинлиги Басып шығарыўшылар өз жумысында, соның ишинде баспа бағдарын, тематикасын, қǝнигелесиўин, шығарылатуғын өнимниң тиражын белгилеўде, автор таңлаўда ғǝрезсиз болады. Басып шығарыўшы ҳǝм буйыртпашы арасындағы қатнасықлар шǝртнама тийкарында тǝртиплестириледи. 3-статья. Цензураға жол қойылмаслық Басып шығарыўға таярланған қолжазбалар ҳǝм материалларды цензурадан өткериўге жол қойылмайды. 4-статья. Баспа жумысының еркинлигинен ғǝрезли мақсетлерде пайдаланыўға жол қойылмаслық Баспа өниминде конституциялық дүзимди зорлық пенен өзгертиўге шақырыў, мǝмлекетлик қупыяларды жǝрия етиў, урысты, зорлық-зомбылықты ҳǝм порнографияны үгит-нǝсиятлаў, диний ҳǝм миллий келиспеўшиликти келтирип шығарыў, адамның ар-намысын, қǝдир-қымбатын кемситиў, жала жабыў қадаған етиледи. Баспа жумысында монополияға, сондай-ақ баспа жумысының еркинлигин нызам актлери талапларына қарама-қарсы келетуғын мақсетлерде пайдаланыўға жол қойылмайды. 5-статья. Баспа жумысының мониторинги ҳǝм қадағаланыўы Баспалардың баспа жумысы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине бойсыныў мониторинги, сондай-ақ лицензия талаплары ҳǝм шǝртлерине бойсыныўы үстинен қадағалаў ўǝкилликке ийе мǝмлекетлик уйым тǝрепинен белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. 6-статья. Баспа жумысын лицензиялаў Юридикалық ҳǝм физикалық тǝреплер баспа жумысын лицензия алғаннан кейин ǝмелге асырыўға ҳақылы. Баспа жумысын лицензиялаў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. 7-статья. Лицензиялар бериўде ҳǝм олардан пайдаланыў мүддетин созыўда мǝмлекетлик төлемлердиң жеңиллетилген муғдарлары (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер кирзизилген) Балалар ǝдебияты, оқыў, нормативлик-мағлыўматлық, илимий-техникалық ǝдебиятларды баспаға таярлаў ҳǝм оларды басыў ушын лицензия бериў жǝне де лицензиядан пайдаланыў мүддетин созғаны ушын мǝмлекетлик төлемлердиң жеңиллетилген муғдарлары белгилениўи мүмкин. (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер кирзизилген) 8-статья. Шөлкемлестириўши Юридикалық ҳǝм физикалық тǝреплер баспа менен полиграфиялық кǝрханалардың шөлкемлестириўшилери (бирликте шөлкемлестириўшилери) болыўы мүмкин. Шөлкемлестириўши (бирликте шөлкемлестириўши) басып шығарыўшының қǝнигелесиўин белгилейди ҳǝм оның уставын тастыйықлайды. 9-статья. Басып шығарыўшы Басып шығарыўшы: баспаның, полиграфиялық кǝрханалардың, сондай-ақ баспа өнимлерин тарататуғын кǝрханалардың шөлкемлестириўшиси (бирликте шөлкемлестириўшиси) болыў; баспа өнимин шығарыўдың тематикалық жобаларын өз бетинше дүзиў ҳǝм тастыйықлаў; шǝртнама дүзиў, сырт еллердиң юридикалық ҳǝм физикалық тǝреплери менен ўатандарлық авторлардың шығармаларын сырт еллерде ямаса сырт ел авторларының шығармаларын Қарақалпақстан Республикасында пайдаланыў, басып шығарыў яки таратыў ҳаққында шǝртнама дүзгенде оларды өз-ара келисимге тартыў; баспа өнимин таярлаў ҳǝм басып шығарыўға буйыртпалар қабыл етиў; өз өнимлерин сатыў ҳǝм нызам актлерине муўапық басқа да жумысларды ǝмелге асырыў ҳуқықына ийе болады. 10-статья. Баспа өнимин таратыў тǝртиби Баспа өнимин таратыў - шөлкемлестириўши, басып шығарыўшы, баспа, олар арасындағы келисим бойынша автор тǝрепинен ямаса басқа юридикалық ҳǝм физикалық тǝреплер менен шǝртнама тийкарында ǝмелге асырылады. Баспа өнимин таратыў иси шǝртнама тийкарында ǝмелге асырылады. Баспа өними тек басып шығарыўшының ямаса ол ўǝкиллик берген адамның рухсаты бойынша жарыққа шығарылады. 11-статья. Баспа өниминиң шығыў мағлыўматлары Баспа өниминиң шығыў мағлыўматлары нызам актлери менен белгиленеди. 12-статья. Авторлық басылымлар Егер нызам актлери менен белгиленген талапларға қарама-қарсы келмесе юридикалық ҳǝм физикалық тǝреплер өз қолжазбаларын ҳǝм басқа да материалларын өзлериниң жеке қаржылары, қǝўендерлери есабынан басып шығарыўға, таратыўға ҳақылы. 13-статья. Жеңилликлер берилетуғын басылымлар Балалар, оқыў, илимий-техникалық, нормативлик-мағлыўматлық, мағлыўматлық-энциклопедиялық ǝдебиятлар, экспортлық баспа өнимлери, сондай-ақ көзи ǝззилер менен майыплар ушын арналған басылымлар жеңилликлер берилген шǝртлерде басылыўы, қағаз ҳǝм полиграфиялық қуўатлылықларға қоса басқа да ресурслар менен тǝмийинлениўи мүмкин. 14-статья. Баспа өнимин алып шығыў ҳǝм алып келиў Қарақалпақстан Республикасының тысқарысына алып шығыў, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасына сырт ел баспа өнимин алып келиў ҳǝм таратыў нызам актлерине муўапық ǝмелге асырылады. 15-статья. Баспа жумысының тоқтатылыўы Баспа жумысы лицензия белгиленген тǝртипте бийкар етилгенде яки оның пайдаланыў мүддети тоқтатылғанда, сондай-ақ нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылған басқа да жағдайларда тоқтатылады. 16-статья. Баспа жумысы ҳаққында Нызам актлери талапларын бузғаны ушын жуўапкершилик Баспа жумысы ҳаққында Нызам актлери талапларын бузыўда айыплы шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.