Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында мәдениятты қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестириў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Қарақалпақстан Республикасында мәденият ҳәм көркем өнер тараўының ўәкиллери ҳәм дөретиўшилерди материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының бай ҳәм ески мәдениятын өз-ара байланыслы ҳәм үнлес түрде раўажландырыў, сондай-ақ, көркем жәмәәтлердиң жергиликли ҳәм сырт ел гастроль сапарларын шөлкемлестириў жумысларын турақлы қаржыландырыў системасын жаратыў мақсетинде:
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Мәдениятты қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда - Қор) шөлкемлестирилсин.
- Төмендегилер:
- Мәденият ҳәм туризм министрлиги Қорға Өзбекстан Республикасы республикалық бюджеттен 2023-жыл ушын Мәденият ҳәм туризм министрлигине ажыратылған қаржылар есабынан 20 миллиард сум ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Қорға Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджеттиң қосымша дереклери есабынан қаржылар ажыратыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине усыныслар киргизип барсын.
- Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Қор ҳаққындағы режени ҳәм оның оның қайырқомлық кеңесиниң қурамын тастыйықласын.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип мәденият ҳәм туризм министри О.А.Назарбеков ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.У.Эрманов белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ,
Ташкент қаласы,
2023-жыл 10-июль