ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ
05.10.2007-ж. №161/III
ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
(жаңа редакцияда)
I БАП. Улыўма режелер 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети ғалаба хабар қуралларының шөлкемлестирилиўи, жумыс алып барыўы ҳəм жумысының сапластырылыўы саласындағы қатнасықларды тəртиплестириўден ибарат. 2-статья. Усы Нызамның қолланылыўы саласы Усы Нызам Қарақалпақстан Республикасында шөлкемлестирилетуғын ҳəм жумыс алып баратуғын ғалаба хабар қуралларына, сондай-ақ сырт ел ғалаба хабар қуралларына олардың өнимлериниң Қарақалпақстан Республикасы аймағында тарқатылыўына байланыслы бөлегинде қолланылады. 3-статья. Ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳəм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шəртнамасында Қарақалпақстан Республикасының ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нəзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шəртнаманың қағыйдалары қолланылады. 4-статья. Ғалаба хабар қураллары Ғалаба хабарды дəўирли тарқатыўдың турақлы атамаға ийе болған ҳəм баспа тəризде (газеталар, журналлар, хабарнамалар, бюллетеньлер ҳəм басқалар) ҳəм (ямаса) электрон түрде (теле-, радио-, видео, кинохроникалық бағдарламалар, улыўма пайдаланыўдағы телекоммуникация тармақларындағы веб сайтлар) алты айда кеминде бир мəрте басылатуғын ямаса эфирге берилетуғын (буннан былай текстте шығарылатуғын деп алынады) формасы ҳəм ғалаба хабарды дəўирли тарқатыўдың басқа да формалары ғалаба хабар қуралы болып табылады. Қарақалпақстан Республикасында ғалаба хабар қураллары өз жумысын «Мəмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына муўапық əмелге асырады. 5-статья. Ғалаба хабар қуралларының еркинлиги Қарақалпақстан Республикасында ғалаба хабар қураллары еркин болып, өз жумысын усы Нызамға ҳəм басқа да нызам ҳүжжетлерине муўапық əмелге асырады. Ҳəр бир адам, егер нызамда басқаша қағыйда нəзерде тутылмаған болса, ғалаба хабар қуралларында шығыў, өз пикирин ҳəм исенимлерин ашық түрде билдириў ҳуқықына ийе. Ғалаба хабар қураллары Нызам ҳүжжетлерине муўапық мəлимлеме излестириў, алыў, тарқатыў ҳуқықына ийе ҳəм тарқатылып атырған мəлимлемениң ҳақыйқатлығы жəне дурыслығы ушын белгиленген тəртипте жуўапкер болады. 6-статья. Ғалаба хабар қураллары еркинлигин пайдаланыўда қыянет етиўге жол қоймаў Ғалаба хабар қуралларынан: Қарақалпақстан Республикасының Конституциялық дүзимин, аймақлық пүтинлигин зорлық пенен өзгертиўге шақырыў; урыс, зорлық ҳəм терроризмди, сондай-ақ диний экстремизм, сепаратизм ҳəм фундаментализм идеяларын үгит-нəсиятлаў; мəмлекетлик сыр болған мағлыўматларды ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа да сырды жəрия етиў; миллий, расалық, этник ямаса диний өшпенлиликти қозғаўшы мəлимлеме тарқатыў; егер нызамда басқаша қағыйда нəзерде тутылмаған болса, гиябентлик затлар, психотроп нəрселер ҳəм прекурсорларды үгит-нəсиятлаў; порнографияны үгит-нəсиятлаў; нызамға муўапық жынаятлы ҳəм басқа да жуўапкершиликке себеп болатуғын басқа да ҳəрекетлерди ислеў мақсетинде пайдаланылыўына жол қойылмайды. Ғалаба хабар қураллары арқалы пуқаралардың намысы ҳəм қəдир-қымбатына ямаса исшеңлик абыройына шек келтириў, жеке турмысына араласыў қадаған етиледи. Прокурор, тергеўши ямаса сорастырыўшының жазба рухсатысыз сорастырыў ямаса дəслепки тергеў материалларын жəриялаў, белгили бир ис бойынша судтың қарары шықпастан алдын ямаса судтың қарары нызамлы күшке кирместен алдын оның нəтийжелерин болжаў ямаса судқа басқаша жол менен тəсир жасаў қадаған етиледи. 7-статья. Цензураға жол қоймаў Қарақалпақстан Республикасында ғалаба хабар қураллары цензурасына жол қойылмайды. Жəрияланып атырған хабарлар ҳəм материаллар алдын-ала келисип алыныўын, сондай-ақ, олардың тексти өзгертилиўин ямаса пүткиллей баспадан алып тасланыўын (эфирге берилмеўин) талап етиўге ҳеш ким ҳақылы емес. II БАП. Ғалаба хабар қураллары жумысын шөлкемлестириў 8-статья. Ғалаба хабар қуралын шөлкемлестириў ҳуқықы Қарақалпақстан Республикасының юридикалық ҳəм физикалық шахслары ғалаба хабар қуралларын шөлкемлестириў ҳуқықына ийе. Ғалаба хабар қуралы бир неше шөлкемлестириўши тəрепинен де шөлкемлестирилиўи мүмкин. Төмендегилер ғалаба хабар қуралының шөлкемлестириўшиси (буннан былай текстте шөлкемлестириўши деп алынады) болыўы мүмкин емес` 18 жасқа толмаған шахс; қастан ислеген жынаяты ушын судланғанлық жағдайы тамамланбаған ямаса судланғанлығы алып тасланбаған яки суд тəрепинен ҳəрекет қатнасықларына уқыпсыз деп табылған шахс; жумысы нызам менен қадаған етилген мəмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем. Устав қорында сырт ел инвестицияларының үлеси отыз ҳəм оннан да аслам процентти қураған юридикалық шахслар тəрепинен ғалаба хабар қураллары шөлкемлестирилиўине жол қойылмайды. 9-статья. Шөлкемлестириў ҳүжжетлери Ғалаба хабар қуралының шөлкемлестириў ҳүжжетлери шөлкемлестириў шəртнамасы ҳəм ғалаба хабар қуралы редакциясының (буннан былай тексте редакция деп алынады) уставынан (режесинен) ямаса тек ғана редакцияның уставынан (режесинен) ибарат болады. 10-статья. Шөлкемлестириў шəртнамасы Шөлкемлестириў шəртнамасы бир неше шөлкемлестириўши арасында дүзиледи. Шөлкемлестириў шəртнамасында төмендегилер нəзерде тутылады: шөлкемлестириўшилердиң атамасы (фамилиясы, аты, əкесиниң аты) ҳəм жайласқан орны (почта мəнзили); шөлкемлестирилип атырған ғалаба хабар қуралының түри, атамасы, тили, мақсети, қəнигелесиўи ҳəм шығыў жийилиги; редакцияның шөлкемлестириў-ҳуқықый формасы; редакцияның уставлық қорының муғдары ҳəм қəлиплестириў тəртиби; редакцияны қаржыландырыў дəреклери; шөлкемлестириўшилердиң редакция жумысында қатнасыўы бойынша ҳуқық ҳəм миннетлемелери; редакцияның басқарыў уйымларын қəлиплестириў тəртиби; пайданы бөлистириў ҳəм зыянлардың орнын толтырыў тəртиби; ғалаба хабар қуралы шығарылыўын тоқтатып турыў ямаса тоқтатыў тəртиби; нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да шəртлер. 11-статья. Редакция уставы (режеси) Редакция нызам ҳүжжетлерине муўапық қабыл етилген ҳəм шөлкемлестириўши тəрепинен тастыйықланған устав (реже) тийкарында жумыс алып барады. Редакция уставында (режесинде) төмендегилер белгиленеди: ғалаба хабар қуралының түри, атамасы, тили, мақсети, қəнигелесиўи, шығыў жийилиги ҳəм көлеми; редакцияның жайласқан жери (почта мəнзили); шөлкемлестириўши ҳəм редакцияның ҳуқық ҳəм миннетлери; редакцияны қаржыландырыў дереклери; редакцияның басқарыў уйымларын қəлиплестириў тəртиби; пайданы бөлистириў ҳəм зыянлардың орнын толтырыў тəртиби; ғалаба хабар қуралы шығарылыўын тоқтатып турыў ямаса тоқтатыў тийкарлары ҳəм тəртиби; редакцияны қайта шөлкемлестириў ҳəм сапластырыў тəртиби; уставты (режени) қабыл етиў ҳəм оған өзгерислер киргизиў тəртиби; нызам ҳүжжетлерине муўапық басқада қағыйдалар. 12-статья. Шөлкемлестириўши ҳəм редакция арасындағы шəртнама Шөлкемлестириўши ҳəм редакция арасындағы шəртнамада төмендегилер белгиленеди: шөлкемлестириўши ҳəм редакцияның ҳуқық ҳəм миннетлери; ғалаба хабар қуралын таярлаў ҳəм шығарыў шəртлери; редакцияның жумысын қаржыландырыў тəртиби; редакция хызметкерлериниң өндирислик ҳəм социаллық-турмыслық, мийнет шараятларын дүзиў тəртиби; үшинши шахслар менен өз-ара қатнасықлар тəртиби; тəреплердиң жуўапкершилиги; нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да шəртлер. Егер шөлкемлестириўши ҳəм редакция сыпатында бир шахс жумыс алып барса, шəртнама дүзиў талап етилмейди. 13-статья. Шөлкемлестириўшиниң ҳуқықлары Шөлкемлестириўши: ғалаба хабар қуралының дизимнен өткерилген атамасынан пайдаланыў ҳəм оған бийлик етиў; редакцияның басқарыў уйымларын қəлиплестириўде шөлкемлестириў шəртнамасы, редакция уставы (режеси) ҳəм нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тəртипте қатнасыў; пайданы бөлистириўде ҳəм зыянның орнын өтеўде қатнасыў; ең үлкен көлеми ҳəм шығарылатуғын мүддети редакция уставына (режесине) ямаса шөлкемлестириўши ҳəм редакция арасындағы шəртнамаға муўапық белгиленетуғын, реклама түринде болмаған хабар ямаса материалды өз атынан ғалаба хабар қуралында бийпул жайластырыў; редакцияның жумысы тоқтатылған жағдайда кредиторлар менен есапласқаннан соң қалған мүлкти ямаса оның қунын нызам ҳүжжетлеринде нəзерде тутылған тəртипте алыў ҳуқықына ийе. Шөлкемлестириўши нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. 14-статья. Шөлкемлестириўшиниң миннетлери Шөлкемлестириўши: редакцияны шөлкемлестириўи; редакция уставын (режесин) тастыйықлаўы; редакция менен шəртнама дүзиўи; ғалаба хабар қуралының шығарылыўын тəмийинлеўи; ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине бойсынылыўын тəмийинлеўи; шөлкемлестириўшиниң уставлық қоры өзгергенлиги ҳаққында, егер уставлық қорында сырт ел инвестициялары үлеси усы Нызамның 8-статьясының төртинши бөлиминде нəзерде тутылған шегарадан асып кеткен болса, ўəкилликли мəмлекетлик уйымды (буннан былай текстте дизимнен өткериўши уйым деп алынады) хабардар етиўи шəрт. Шөлкемлестириўшиниң жуўапкершилигинде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин. 15-статья. Редакция Редакция ғалаба хабар қуралының шығарылыўын əмелге асырыўшы юридикалық шахс ямаса юридикалық шахстың структуралық бөлимшеси болып табылады. Редакция нызам ҳүжжетлеринде нəзерде тутылған ҳəр қандай шөлкемлестириў – ҳуқықый формада дүзилиўи мүмкин. Редакция өз кəсиплик жумысында ғəрезсиз болып табылады. Редакция бас редактор ҳəм редакция хызметкерлеринен ибарат болыўы мүмкин. Редакция ғалаба хабар қуралы мəмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин өз жумысын баслаўы мүмкин. Редакцияның жумысын қаржыландырыў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тəртипте əмелге асырылады. 16-статья. Бас редактор Бас редактор шөлкемлестириўши тəрепинен лаўазымға тайынланады ҳəм лаўазымынан босатылады. Бас редактор редакцияға басшылық етеди, ғалаба хабар қуралының шығарылыўы ҳаққында шешим қабыл етеди ҳəм оның жумысы ушын нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкер болады. Нызам ҳүжжетлери ҳəм шөлкемлестириў ҳүжжетлерине муўапық, бас редактор ғалаба хабар қуралының шөлкемлестириўшиси, тарқатыўышысы, мəмлекетлик ҳəкимият ҳəм басқарыў уйымлары жəне басқа да юридикалық ҳəм физикалық шахслар менен қатнасықларда, сондай-ақ судта редакцияның атынан ис жүргизеди. 17-статья. Редакция хызметкери Редакция штатында турған, материалды топлаў, таллаў, редакторлаў ҳəм таярлаў менен шуғылланыўшы шахс редакция хызметкери болып табылады. 18-статья. Ғалаба хабар қуралының шығарылыўына байланыслы мағлыўматлар Ҳəр бир мезгилли басылымның шығарылыўында төмендеги мағлыўматлар көрсетилиўи шəрт: мезгилли басылымның атамасы; мəмлекетлик дизимнен өткерилген сəнеси ҳəм саны; шөлкемлестириўшиниң атамасы (фамилиясы, аты, əкесиниң аты); бас редактордың фамилиясы, аты, əкесиниң аты; ҳəр бири мезгилли басылым шығарылыўы ушын жуўапкер болған редакция хызметкериниң фамилиясы, аты, əкесиниң аты; тəртип саны ҳəм шығарылған сəнеси, ал, мезгилли баспа басылымлар ушын болса басыўға рухсат берилип, қол қойылған ўақыт (графикте белгиленгени ҳəм ҳақыйқаттағысы); мезгилли баспа басылымлар ушын – индекси, тиражы, баҳасы ямаса «Келисилген баҳада», «Бийпул» деген жазыўлар; редакция ҳəм баспахананың жайласқан орны (почта мəнзили). Теле -, радио -, видео -, кинохроникалық бағдарламаларға ҳəм ғалаба хабарды мезгилли тарқатыўдың басқа электрон формаларына байланыслы мағлыўматлар нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. III БАП. Ғалаба хабар қуралларын мəмлекетлик дизимнен өткериў 19-статья. Ғалаба хабар қуралын мəмлекетлик дизимнен өткериў тəртиби Ғалаба хабар қуралы дизимнен өткериўши уйым тəрепинен мəмлекетлик дизимнен өткериледи (буннан былай тексте дизимнен өткериў деп алынады). Ғалаба хабар қуралларын дизимнен өткериў тəртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тəрепинен белгиленеди. Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққындағы арза дизимнен өткериўши уйымға белгиленеген тəртипте шөлкемлестириўши тəрепинен бериледи. Шөлкемлестириўшиниң ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққындағы арзасы дизимнен өткериўши уйым тəрепинен бир ай мүддет ишинде қарап шығылыўы керек. Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткергенлиги ҳəм қайта дизимнен өткергенлиги ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тəртипте ҳəм муғдарда дизимнен өткериў жыйымы алынады. 20-статья. Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққында арза Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққындағы арзада төмендегилер көрсетилиўи тийис: шөлкемлестириўши ҳаққындағы мағлыўматлар; ғалаба хабар қуралының атамасы, тили ҳəм түри; мақсет ҳəм ўазыйпалары; қəнигелесиўи; тарқатылыў аймағы; жийилиги; қаржыландырыў дереклери; редакцияның жайласқан орны (почта мəнзили) ҳəм редакция ҳаққындағы басқа да мағлыўматлар; көлеми; шөлкемлестириўши ҳəм редакция басқа қайсы ғалаба хабар қуралына шөлкемлестириўши, исенимли басқарыўшы, басып шығарыўшы, тарқатыўышы екенлиги ҳаққындағы (барлық аффилленген шахслардың ҳəм олардың ҳəр бириниң редакцияның уставлық қорындағы үлеси муғдарлары көрсетилген) мағлыўматлар. Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққындағы арзаға ғалаба хабар қуралының шөлкемлестириў ҳүжжетлери қосымша етиледи. Егер шөлкемлестириўши бир шахстан ибарат болса, дизимнен өткериўши уйымға усынылатуғын ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққындағы арзаға тек ғана редакция уставы (режеси) қосымша етиледи. Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериўде усы статьяда нəзерде тутылғаннан басқаша талаплар қойыў қадаған етиледи. Усы статьяның биринши бөлиминиң екинши-бесинши абзацларында, сондай-ақ екинши бөлиминде көрсетилген мағлыўматлар ҳəм ҳүжжетлерге ғалаба хабар қуралы дизимнен өткерилгеннен соң өзгерислер киргизилген жағдайда, ол белгиленген тəртипте қайта дизимнен өтиўи шəрт. Қалған жағдайларда шөлкемлестириўши ямаса редакция киргизилген өзгерислер ҳаққында дизимнен өткериўши уйымды бир ай мүддет ишинде жазба түрде хабардар етиўи шəрт. 21-статья. Дизимнен өткерилмейтуғын ғалаба хабар қураллары Төмендегилердиң дизимнен өткерилиўи талап етилмейди: тек ғана өз рəсмий хабарлары ҳəм материалларын, сондай-ақ нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлерди жəриялаў ушын мəмлекетлик ҳəкимият ҳəм басқарыў уйымлары тəрепинен шөлкемлестирлетуғын ғалаба хабар қураллары; кəрхана, мəкеме, шөлкемниң (соның ишинде оқыў ҳəм илимий мəкемениң) өз зəрүрликлерин қанаатландырыў ушын тиражы жүзге шекемги нусқада шығарылатуғын мезгилли баспа басылымлар; кабель тармақлары арқалы алып берилетуғын (көрсетилетуғын) теле -, радио-, видео-, кинохроникалық бағдарламалар, сондай-ақ тарқатылыўы бир кəрхана, мəкеме, шөлкем (соның ишинде оқыў ҳəм илимий мəкеме) имараты ҳəм (ямаса) аймағы менен шекленетуғын аудио -, аудиовизуал хабар ҳəм материаллар. 22-статья. Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериўден бас тартыў Ғалаба хабар қуралын дизимге алыўдан төмендеги жағдайларда бас тартылыўы мүмкин: ғалаба хабар қуралының мақсет ҳəм ўазыйпалары нызам ҳүжжетлерине қайшы келсе; ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққындағы арза усы нызамға муўапық ғалаба хабар қуралын шөлкемлестириў ҳуқықына ийе болмаған юридикалық ямаса физикалық шахстың атынан берилген болса; ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериў ҳаққындағы арзада көрсетилген мағлыўматлар ҳақыйқатқа туўры келмесе; буннан алдын дəл усындай ямаса алжастырып жибериў дəрежесинде уқсас атамадағы ғалаба хабар қуралы дизимнен өткерилген болса. Ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериўден бас тартылған жағдайда, бас тартыў тийкарлары көрсетилген жазба хабарнама шешим шығарылғаннан кейин он күн ишинде арза ийесине жибериледи. Шөлкемлестириўши дизимнен өткериўши уйымның ғалаба хабар қуралын дизимнен өткериўден бас тартыў ҳаққындағы шешими үстинен судқа шағым етиўи мүмкин. 23-статья. Ғалаба хабар қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықты ҳақықый емес деп табыў Ғалаба хабар қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалық тек ғана суд тəрепинен ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин. Ғалаба хабар қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықтың қəлбеки ҳүжжетлерден пайдаланылған ҳалда алынғанлығы ғалаба хабар қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықты ҳақыйқый емес деп табылыўы ушын тийкар болады. Бунда дизимнен өткериўши уйым ғалаба хабар қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықты ҳақыйықый емес деп табыў ҳаққындағы арза менен судқа мүрəжат етиўи шəрт. Ғалаба хабар қуралы өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықты ҳақыйқый емес деп табыў туўралы мағлыўмат ғалаба хабар қуралларында жəрияланыўы тийис. 24-статья. Ғалаба хабар қуралының шығарылыўын тоқтатып турыў ямаса тоқтатыў Ғалаба хабар қуралының шығарылыўын тоқтатып турыў ямаса тоқтатыў дизимнен өткериўши уйымның арзасы тийкарында судтың қарарына муўапық əмелге асырылады. Шөлкемлестириўши ғалаба хабар қуралының шығарылыўын редакция уставында (режесинде) ямаса шөлкемлестириўши ҳəм редакция арасында дүзилген шəртнамада нəзерде тутылған жағдайларда ҳəм тəртипте тоқтатып турыў ямаса тоқтатыўға ҳақылы. Шөлкемлестириўши ғалаба хабар қуралының шығарылыўын тоқтатып турыў ямаса тоқтатыў ҳаққында шешим қабыл етилгеннен кейин өз шешими ҳаққында дизимге алыўшы уйымды үш күн ишинде жазба түрде хабардар етиўи шəрт. Усы хабарнама бул ғалаба хабар қуралы шығарылыўының тоқтатып турылыўы ямаса тоқтатылыўынан алдын соңғы шығарылыўының бирине жайластырылыўы керек. Ғалаба хабар қуралының шығарылыўын судтың шешимине муўапық тоқтатып турыў дизимге алыўшы уйым тəрепинен редакцияға қатнаслы шығарылған ескертиўге себеп болған нызам ҳүжжетлери бузылыўы тəкирарлап, жазба ескертиўден кейин бир ай ишинде сапластырылмаған жағдайда əмелге асырылады. Ғалаба хабар қуралының шығарылыўын қайта баслаў дизимге алыўшы уйым анықлаған нызам ҳүжжетлери бузылыўы сапластырылғанлығын тастыйықлаўшы мағлыўматлар шөлкемлестириўши ҳəм (ямаса) редакция тəрепинен судқа усынылғаннан кейин судтың шешимине муўапық əмелге асырылады. Ғалаба хабар қуралының шығарылыўын тоқтатыў ҳаққында суд тəрепинен шешим шығарылыўы ушын төмендегилер тийкар болыўы мүмкин: ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талаплары редакция тəрепинен турақлы рəўиште бузып келингенлиги, бул ҳаққында дизимге алыўшы уйым тəрепинен шөлкемлестириўши ҳəм (ямаса) редакция атына бурын жазба ескертиўлер жиберилгенлиги; судтың ғалаба хабар қуралын шығарыўды тоқтатып турыў ҳаққындағы шешими орынланбағанлығы; ғалаба хабар қуралының алты айдан аслам ўақыт даўамында шығарылмағанлығы; нызам ҳүжжетлеринде белгиленген басқа да жағдайлар. ғалаба хабар қуралының шығарылыўын тоқтатыў оның дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықтың ҳəрекет етиўи тоқтатылыўына себеп болады. Ғалаба хабар қуралының шығарылыўын тоқтатыў ҳаққында шөлкемлестириўши тəрепинен шешим қабыл етилген жағдайда, редакция шөлкемлестириўшиниң рухсаты менен дəл усындай атамадағы ғалаба хабар қуралын белгиленген тəртипте шөлкемлестириўге ҳақылы. Бундай жағдайда ғалаба хабар қуралын қайта дизимнен өткериў талап етиледи. IV БАП. Ғалаба хабар қураллары өнимин тарқатыў. Ғалаба хабар қураллары базарын монополияластырыўға жол қойылмаўы 25-статья. Ғалаба хабар қураллары өними Дəўирли баспа басылымның өз алдына санының тиражы ямаса тиражының бир бөлеги яки теле-, радио-, видео-, кинохроникалық бағдарламалардың ҳəм ғалаба хабарды мезгилли тарқатыўдың басқа да электрон тəриздеги өз алдына шығарылыўы ғалаба хабар қуралларының өними болып табылады. 26-статья. Ғалаба хабар қураллары өнимин тарқатыў Ғалаба хабар қуралы өнимин тарқатыў тиккелей редакция тəрепинен, сондай-ақ белгиленген тəртипте юридикалық ҳəм физикалық шахслар тəрепинен шəртнама тийкарында əмелге асырылыўы мүмкин. Баспа ғалаба хабар қураллары өнимин тарқатыў оларға жазылыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ усақлап сатыў тармағы арқалы əмелге асырылады. Дизимнен өткерилген мезгилли баспа басылымлар тиражын усақлап саўда арқалы, соның ишинде қолда сатыў басылымлардың редакцияларының штаттағы тарқатыўшылары тəрепинен ямаса саўда тармағына ийе болған юридикалық шахслар, сондай-ақ жеке тəртиптеги исбилерменлер тəрепинен, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тəртипте əмелге асырылады. Ғалаба хабар қуралының ҳəр бир өз алдына шығарылыўының тарқатылыўына бас редактор оның шығарылыўы ушын рухсат бергеннен соң ғана жол қойылады. Көрсетиў ҳəм еситтириў үзиликсиз даўам еткенде ғалаба хабар қуралы өниминиң тарқатылыўына бас редактор дəслепки рухсат берген пайыттан баслап жəне көрсетиў ҳəм еситтириўдеги тəнеписке дейин жол қойылады. 27-статья. Мезгилли баспа басылымның электрон версиясы Мезгилли баспа басылымның электрон версиясы мезгилли баспа басылымды тарқатыў усылларынан бири болып табылады. Тийисли мезгилли баспа басылымның баспа ҳəм электрон версияларының мазмуны бир қыйлы болған ҳəм нызам ҳүжжетлери талапларына бойсынылған жағдайда, мезгилли баспа басылым редакциясы мезгилли баспа басылымның электрон версиясын өз алдына ғалаба хабар қуралы сыпатында дизимнен өткерместен тарқатыўға ҳақылы. Мезгилли баспа басылымның баспа версиясында бар болған реклама хабарларының электрон версиядан алып тасланыўы ҳəм (ямаса) пүткиллей яки бир бөлегинде алмастырылыўы, сондай-ақ электрон версияда берилген материаллар көлеминиң баспа версиядағыға салыстырғанда қысқартылыўы мазмунының бир қыйлылығы бузылыўы деп қаралмайды. Мезгилли баспа басылымның редакциясы мезгилли баспа басылымның электрон версиясы тарқатылыўы ҳаққында дизимнен өткериўши уйымды жазба түрде хабардар етиўи шəрт. 28-статья. Мезгилли баспа басылымларға қосымшалар Мезгилли баспа басылымлар қосымшалар менен шығарылыўы мүмкин. Қосымшалар қайсы мезгилли басылымға тийисли болса, оларда усы тийкарғы мезгилли баспа басылымның атамасы көрсетилиўи керек. мезгилли баспа басылымның өз алдына атамаға ийе болған қосымшаларына өз алдына ғалаба хабар қуралы сыпатында қаралады ҳəм ол улыўма тийкарларда дизимнен өткерилиўи тийис. 29-статья. Қадағалаў нусқалары ҳəм мəжбүрий нусқалар Мезгилли баспа басылымның қадағалаў нусқалары редакцияға, шөлкемлестириўшиге ҳəм дизимнен өткериўши уйымға бийпул жибериледи. Мезгилли баспа басылымның мəжбүрий нусқалары жиберилетуғын мəкемелер ҳəм шөлкемлердиң дизими Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тəрепинен белгиленеди. 30-статья. Ғалаба хабар қураллары базарын монополияластырыўға жол қоймаў Ғалаба хабар қураллары базарын монополияластырыўға жол қойылмайды. Ҳеш бир юридикалық ямаса физикалық шахс ғалаба хабар қуралларының тийисли орайлық ямаса жергиликли базарына шығарылатуғын ғалаба хабар қуралларының жигирма бес процентиниң асламына шөлкемлестириўши (биргеликтеги шөлкемлестириўши) болыўға ҳəм (ямаса) оларды усындай муғдарда өз мүлкинде, ийелигинде, пайдаланыўында, бийлигинде, жүргизиўинде ямаса басқарыўында (тиккелей ямаса аффилленген шахслар арқалы) сақлаўға ҳақылы емес. 31-статья. Қарақалпақстан Республикасы аймағында сырт ел ғалаба хабар қураллары өнимлерин тарқатыў Қарақалпақстан Республикасы аймағында сырт ел ғалаба хабар қураллары өнимлерин тарқатыў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети белгилейтуғын тəртипке, сондай-ақ Өзбекстан Республикасының халықаралық шəртнамаларына муўапық əмелге асырылады. Сырт ел ғалаба хабар қураллары тəрепинен ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талаплары бузылған жағдайда, олардың өнимин Қарақалпақстан Республикасы аймағында тарқатыў тоқтатылыўы мүмкин. V БАП. Ғалаба хабар қуралларының пуқаралар ҳəм шөлкемлер менен қатнасықлары 32-статья. Авторлық материаллардан ҳəм хатлардан пайдаланыў Ғалаба хабар қуралларында авторлық материаллардан, илим, əдебият ҳəм көркем өнер шығармаларынан нызам ҳүжжетлерине муўапық пайдаланылыўына жол қойылады. Редакцияға келген хатларды жəриялаўға таярлаў пайытында олардың мазмунын бузбаған ҳалда текстин қысқартыў ҳəм редакторлаўға жол қойылады. Редакция нызамлы тийкарда қайтарған материалды ғалаба хабар қуралында мəжбүрлеп жəриялатыўға ҳеш ким ҳақылы емес. 33-статья. Мəлимлеме дəрегин жəрия етпеў Редакция өз атын жəрия етпеў шəрти менен берилген мəлимлеме, мағлыўматлар, фактлар ямаса дəлиллер дерегиниң атын, сондай-ақ лақабын қойған автордың атын олардың жазба түрдеги келисимисиз жəрия етиўге ҳақылы емес. Редакция мəлимлеме дерегиниң ямаса лақабын қойған автордың талабына муўапық олардың атынан судта қатнасыўы мүмкин. 34-статья. Бийкарлаў ямаса жуўап қайтарыў ҳуқықы Юридикалық ямаса физикалық шахс ғалаба хабар қуралында жəрияланған, ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын ҳəм өзиниң абырайына жəне ар-намысы яки исшеңлик абыройына шек келтириўши мағлыўматлар ушын бийкарлаў бериўди редакциядан талап етиўге ҳақылы. Жəрияланған материал себепли ҳуқықлары ҳəм нызамлы мəплери бузылған юридикалық ҳəм физикалық шахслар усы ғалаба хабар қуралында бийкарлаў ямаса жуўапты жəриялаўға ҳақылы. Жуўап ямаса бийкарлаў жуўап берилиўине себеп болған материал басылған дəл усы бетте арнаўлы рубрика астында жəрияланыўы тийис. Бийкарлаў ямаса жуўап газеталарда олар алынған күннен баслап бир ай мүддет ишинде, басқа дəўирли басылымларда гезектеги санда жəрияланыўы шəрт. Теле-, радио-, видео-, кинохроникалық бағдарламалар ҳəм ғалаба хабарды мезгилли тарқатыўдың басқа да электрон версиялары редакциясы тəрепинен алынған бийкарлаў ямаса жуўап усы бағдарлама ямаса дүркимде, келген күннен баслап бир айдан кешиктирмей эфирге бериледи. Егер бийкарлаў ямаса жуўапты жəриялаў көлеми ҳəм ўақты ғалаба хабар қуралының жумысына зыян келтириўи мүмкин болса, текстти мəлимлеме дереги ямаса автор менен келисилген ҳалда тийкары редакторлаўға жол қойылады. Ғалаба хабар қуралы бийкарлаўды, жуўапты жəриялаўдан бас тартса ямаса оларды жəриялаў ушын белгилеп қойылған мүддетти бузса, юридикалық ямаса физикалық шахс даўа арза менен судқа мүрəжат етиўге ҳақылы. 35-статья. Рəсмий хабарлар ҳəм мəлимлемелерди жəриялаў Мəмлекетлик ҳəкимият ҳəм басқарыў уйымлары тəрепинен шөлкемлестирилген ғалаба хабар қураллары усы уйымлардың рəсмий хабарлары ҳəм материалларын, сондай-ақ нормативлик – ҳуқықый ҳүжжетлерди жəриялаўы шəрт. Айырықша жағдайлар ҳаққындағы қыстаўлы хабарлар ямаса ўəкилликли мəмлекетлик уйымлар тəрепинен жəмийетшиликке тезлик пенен билдириў мақсетинде берилген хабарлар барлық ғалаба хабар қуралларында жəрияланады. Судтың дəл усы ғалаба хабар қуралында жəриялаў ҳаққындағы көрсетпеси болған, нызамлы күшке кирген шешимин редакция суд шешиминде көрсетилген мүддетте бийпул жəриялаўы шəрт. Усы статьяның биринши – үшинши бөлимлеринде нəзерде тутылғанынан басқа ҳəр қандай мəлимлеме, хабар ҳəм дағаза редакция менен дүзилетуғын шəртнама тийкарында жəрияланады. VI БАП. Жуўмақлаўшы режелер 36-статья. Мəлимлеме агентликлери Усы Нызам мəлимлеме агентликлерине қолланылған жағдайда, оларға бир ўақыттың өзинде ғалаба хабар қуралының редакциясы, басып шығарыўшысы, тарқатыўышысы статусы ҳəм ҳуқықый режими қолланылады. Мəлимлеме агентликлери тəрепинен шөлкемлестирлетуғын, турақлы атамаға ийе болған бюллетень, хабарнама, басқа да басылым ямаса бағдарлама усы Нызамда белгиленген тəртипте дизимнен өткериледи. Мəлимлеме агентлигиниң хабарлары ҳəм материаллары басқа ғалаба хабар қуралы тəрепинен тарқатылған жағдайда, мəлимлеме агентлигиниң атамасы көрсетилиўи шəрт. 37-статья. Халықаралық бирге ислесиў Ғалаба хабар саласындағы халықаралық бирге ислесиў халықаралық ҳуқықтың улыўма тəн алынған принциплери ҳəм нормалары, сондай-ақ Өзбекстан Республикасының халықаралық шəртнамалары ҳəм нызам ҳүжжетлери тийкарында əмелге асырылады. 38-статья. Сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўəкилханалары ҳəм ўəкиллерин аккредитациялаў Сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўəкилханалары ҳəм ўəкиллери Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде аккредитацияланғаннан кейин Өзбекстан Республикасында өз жумысын əмелге асырады. Сырт ел ғалаба хабар қуралларының Қарақалпақстан Республикасында аккредитацияланған ўəкилханалары ҳəм ўəкиллериниң ҳуқықый статусы ҳəм кəсиплик жумысын əмелге асырыў шəртлери нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 39-статья. Тартысларды шешиў Ғалаба хабар қуралларының шөлкемлестирилиўи, жумыс алып барыўы ҳəм жумысының тоқтатылыўы саласында жүзеге келетуғын тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тəртипте шешиледи. 40-статья. Ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы Нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкерлик Ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыплы болған шахслары белгиленген тəртипте жуўапкер болады. Бас редактор, сондай-ақ журналист ғалаба хабар қуралларында ҳақыйқатқа сəйкес келмейтуғын материалларды тарқатқанлығы ушын төмендеги жағдайларда жуўапкер болмайды: егер бул мағлыўматлар рəсмий хабарлардан, нормативлик – ҳуқықый ҳүжжетлерден ямаса рəсмий статистика есабатлары мағлыўматларынан ямаса мəлимлеме агентликлери яки мəмлекетлик ҳəкимият ҳəм басқарыў уйымларының баспасөз хызметлери арқалы алынған болса; егер бул мағлыўматлар алдын-ала жазып алынбастан эфирге берилетуғын авторлық шығыўларда бар болса ямаса шығыўлардың сөзбе-сөз тəкирарланыўы (стенография-, аудио-, видеожазыўы) болса.