ЖӘМИЙЕТЛИК БИРЛЕСПЕЛЕР ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 26.06.1991-ж. №130/XII
ЖӘМИЙЕТЛИК БИРЛЕСПЕЛЕР ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 15.08.1995-ж. 87/I-санлы ҚР Нызамы 25.06.1997-ж. 271/II-санлы ҚР Нызамы 09.10.2004-ж. 293/II-санлы ҚР Нызамы 29.08.2005-ж. 49/III-санлы ҚР Нызамы 22.05.2010-ж. 31/II-санлы ҚР Нызамы 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамы 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР НызамыI-БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
1-статья. Жǝмийетлик бирлеспе ҳаққында түсиник Сиясат, экономика, социаллық раўажланыў, илим, мǝденият, экология саласында турмыстың басқа да тараўларында өз ҳуқықларын, еркинликлерин ҳǝм нызамлы мǝплерин бирликте ǝмелге асырыў ушын бирлескен пуқаралардың еркин ерк билдириўиниң нǝтийжесинде пайда болған ықтыярлы дүзилме жǝмийетлик бирлеспе болып табылады. Сиясий партиялар, массалық ҳǝрекетлер, кǝсиплик аўқамлар, ҳаял-қызлар, жаслар ҳǝм балалар шөлкемлери, ветеранлар ҳǝм майыплар шөлкемлери, илимий, техникалық, мǝдений-ағартыў, физикалық тǝрбия-спорт ҳǝм басқа да ықтыярлы жǝмийетлер, дөретиўшилик аўқамлары, жерлеслер шөлкемлери, ассоциациялар ҳǝм пуқаралардың басқа да бирлеспелери жǝмийетлик бирлеспелер деп танылады. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Бул Нызамның ҳǝрекети коммерциялық мақсетлерди гөзлеген ямаса басқа кǝрханалардың ҳǝм шөлкемлердиң пайда (дǝрамат) алыўына жǝрдем көрсетиўши кооперативлик ҳǝм басқа да шөлкемлерге, диний шөлкемлерге, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына, сондай-ақ, оларды дүзиў тǝртиби ҳǝм жумысы басқа нызам ҳүжжетлери менен белгиленетуғын басқа уйымларға таралмайды. 2-статья. Жǝмийетлик бирлеспелер ҳаққында нызамлар Жǝмийетлик бирлеспелер ҳаққында Қарақалпақстан Республикасының нызамлары жǝмийетлик бирлеспелердиң ҳуқықый жағдайының тийкарларын белгилейтуғын усы Нызамнан ҳǝм республиканың басқа да нызам актлеринен ибарат. 3-статья. Жǝмийетлик бирлеспелерди дүзиў мақсети Жǝмийетлик бирлеспелер пуқаралық, сиясий, экономикалық, социаллық, мǝдений ҳуқықларды ҳǝм еркинликлерди ǝмелге асырыў, пуқаралардың белсендилигин ҳǝм искерлигин раўажландырыў, мǝмлекетлик ҳǝм жǝмийетлик ислерди басқарыўға оларды қатнастырыў, кǝсиплик ҳǝм қызығыўшылық мǝплерин қанаатландырыў, илимий, техникалық ҳǝм көркем дөретпени раўажландырыў, халықтың денсаўлығын қорғаў, қайырхомлық жумысына қатнасыў, мǝдений-ағартыў, дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт жумысларын ǝмелге асырыў, тǝбиятты, мǝдений мийрас объектлерин қорғаў, патриотлық ҳǝм адамгершиликли руўхта тǝрбиялаў, республика ҳǝм халық аралық байланысларды кеңейтиў, халықлар арасында дослықты ҳǝм парахатшылықты беккемлеў, нызам менен қадаған етилмеген басқа да жумысты ǝмелге асырыў мақсетинде дүзиледи. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жǝмийеттиң ǝдеп-икрамлық тийкарларын, улыўма адамгершиликли, инсаныйлық қǝдириятларды ыдыратыўға бағдарланған, сондай-ақ Өзбекстан Республикасының, Қарақалпақстан Республикасының Конституциялық дүзимин нызамсыз жол менен өзгертиў ямаса аймағының пүтинлигин бузыў, урысты, зорлықты ҳǝм жаўызлықты пропагандалаў, жǝмийеттиң ыдыраўына алып келетуғын социаллық, соның ишинде класслық, сондай-ақ расалық, миллий ҳǝм диний өшпенлиликти тутандырыў, нызам менен қадаған етилген басқа да ҳǝрекетлер ислеў мақсетин гөзлейтуғын жǝмийетлик бирлеспелердиң дүзилиўине жол қойылмайды. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Әскерийлестирилген жǝмийетлик бирлеспелерди ҳǝм қураллы дүзилмелерди, сондай-ақ диний характердеги партияларды, олардың филиалларын ҳǝм басқа да структуралық бөлимшелерин дүзиў қадаған етиледи. Нызамлы ҳǝм демократиялық жол менен дүзилген ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларында ҳǝм ҳǝкимият ўǝкилликлерине ийе адамларға жǝмийетлик бирлеспелердиң ҳǝм олардың уйымларының антидемократиялық қысым жасаўы қадаған етиледи. Халықтың денсаўлығы ҳǝм ǝдеп-икрамлылығына, пуқаралардың ҳуқықлары ҳǝм нызам менен қорғалатуғын мǝплерине қǝўип салатуғын жǝмийетлик бирлеспелерди дүзиў ҳǝм олардың жумысы нызамға муўапық қуўдаланады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 4-статья. Жǝмийетлик бирлеспелерди дүзиў ҳǝм жумыс принциплери Жǝмийетлик бирлеспелер ағзаларының (қатнасыўшыларының) ықтыярлылығы, тең ҳуқықлылығы, өзин-өзи басқарыў, нызамлылық ҳǝм жǝриялылық тийкарында дүзиледи ҳǝм ҳǝрекет етеди. Барлық жǝмийетлик бирлеспелер өз уставларында, басқа да ҳүжжетлерде нǝзерде тутылған ўазыйпаларды орынлаўда, Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан Республикалары Конституциялары, Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан Республикалары нызамлары шегинде ҳǝрекет етеди. Жǝмийетлик бирлеспениң жумысына пуқараның қатнасыўы ямаса қатнаспаўы оның ҳуқықлары менен еркинликлерин шеклеў ямаса оған артықмашлықлар бериў ушын тийкар, соның ишинде мǝмлекетлик шөлкемде лаўазымды ийелеў шǝрти ямаса нызамда нǝзерде тутылған миннетлерди орынламаў ушын тийкар бола алмайды. Мийнет ҳаққында нызам, сондай-ақ мийнеткешлерди социаллық тǝмийинлеў ҳǝм социаллық қамсызландырыў ҳаққындағы нызамлардың талаплары жǝмийетлик бирлеспелер аппаратының хызметкерлерине тиккелей тийисли. 5-статья. Мǝмлекет ҳǝм жǝмийетлик бирлеспелер Мǝмлекет жаслар ҳǝм балалар шөлкемлерине материаллық ҳǝм финанс жағынан жǝрдем көрсетеди, олар жөнинде жеңилликли салық сиясатын жүргизиўди тǝмийинлейди, балар шөлкемлерине мектеплердиң, мектептен тыс мǝкемелердиң ханаларын, клубларды, мǝденият сарайларын ҳǝм үйлерин, спорт ҳǝм басқа да имаратларды тегин ямаса жеңилликли шǝртлер тийкарында пайдаланыў ҳуқықын береди. Жǝмийетлик бирлеспелердиң жумысына мǝмлекетлик уйымлардың ҳǝм лаўазымлы адамлардың араласыўы мǝмлекетлик уйымлардың ҳǝм лаўазымлы адамлардың жумысына жǝмийетлик бирлеспелердиң араласыўы сыяқлы нызамда нǝзерде тутылған жағдайлардан басқа жағдайда жол қойылмайды. Халық депутатларын сайлаўлар, халықлық даўыс бериў ҳаққында нызамларға муўапық сайлаў мапазларын қаржы менен тǝмийинлеў жағдайларынан басқа сиясий мақсетти гөзлеўши жағдайда сиясий партиялардың ҳǝм массалық жǝмийетлик ҳǝрекетлердиң жумысын мǝмлекеттиң қаржы менен тǝмийинлеўи қадаған етиледи. Жǝмийетлик бирлеспелердиң илажлары тийкарынан, олардың ағзаларының (қатнасыўшыларының) жумыс ўақтынан басқа ўақытта ҳǝм усы бирлеспелердиң қаржылары есабынан ǝмелге асырылады. Ҳǝрекеттеги нызам ҳүжжетлерине муўапық сайлаў мапазларын қаржы менен тǝмийинлеў жағдайларынан басқа сиясий мақсетти гөзлеўши сиясий партиялардың ҳǝм жǝмийетлик ҳүркетлердиң жумысын мǝмлекет тǝрепинен қаржы менен тǝмийинлеў қадаған етиледи. 6-статья. Республикалық ҳǝм басқа да жǝмийетлик бирлеспелер Уставлық ўазыйпаларына муўапық республиканың пүткил аймағында жумыс алып баратуғын ҳǝм Қарақалпақстан Республикасының аймағында өз шөлкемлерине ийе бирлеспелер улыўма аўқамлық ҳǝм республика аралық жǝмийетлик бирлеспелердиң республикалық буўынларына киреди. Республиканың тысқарысында дүзилген, жумысы усы Нызамның қ-статьясына қайшы келетуғын жǝмийетлик бирлеспелердиң филиалларының ҳǝм басқа да структуралық бөлимшелериниң жумысына жол қойылмайды. Уставлық ўазыйпаларына муўапық республиканың пүткил аймағында жумыс алып баратуғын бирлеспелер республикалық жǝмийетлик бирлеспелердиң қатарына жатады. Бунда сиясий партияның Қарақалпақстан Республикалық шөлкеми Нөкис қаласын қоса алғанда ең кеминде он еки аймақлық субъектлерде (қала ҳǝм районларда) жасайтуғын беш жүз адамнан аз болмаған, ал, кǝсиплик аўқам - үш жүз адамнан аз болмаған өз ағзаларына ийе болыўы тийис. Районлық, қалалық, поселкалық ҳǝм аўыллық бирлеспелер жергиликли жǝмийетлик бирлеспелерге жатады. Уставлық ўазыйпаларына муўапық районның ямаса қаланың пүткил аймағында жумыс алып баратуғын бирлеспелер районлық ҳǝм қалалық жǝмийетлик бирлеспелерге жатады. Уставлық ўазыйпаларына муўапық поселканың, аўылдың аймағында жумыс алып баратуғын бирлеспелер поселкалық, аўыллық бирлеспелерге жатады. Зǝрүрли жағдайларда район аралық жǝмийетлик бирлеспелер дүзилиўи мүмкин. 7-статья. Жǝмийетлик бирлеспелер аўқамлары Жǝмийетлик бирлеспелер ықтыярлы басламалар тийкарында жǝмийетлик бирлеспелер аўқамларына бирлесиўге ҳақылы. Жǝмийетлик бирлеспелер аўқамлары жǝмийетлик бирлеспелер ушын усы нызам менен белгиленген тǝртипте дүзиледи, ҳǝрекет етеди ҳǝм өз жумысын тоқтатады.II-БАП. ЖӘМИЙЕТЛИК БИРЛЕСПЕЛЕРДИ ДҮЗИЎ ҲӘМ ОЛАРДЫҢ ЖУМЫСЫН ТОҚТАТЫЎ
8-статья. Жǝмийетлик бирлеспелерди дүзиў Жǝмийетлик бирлеспелер ең кеминде он пуқараның басламасы бойынша дүзиледи. Жǝмийетлик бирлеспени дүзиў басламасын көтериўшилер шөлкемлестириў съездин (конференциясын) ямаса улыўма жыйналысты шақырады, онда Устав (реже, басқа да тийкарлы акт) қабыл етиледи, басшы уйымлар дүзиледи. 9-статья. Жǝмийетлик бирлеспелерге ағзалық Қарақалпақстан Республикасының пуқарасы жǝмийетлик бирлеспелердиң ағзасы болыў ҳуқықына ийе - бул жағдай Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына да (32-статья) муўапық болады. Қарақалпақстан Республикасының он сегизге шыққан пуқаралары республиканың сиясий партияларының ағзалары болыўы мүмкин. Бир сиясий партияның ағзасы усының менен бир ўақытта басқа сиясий партияның ағзасы бола алмайды. Сиясий партиялардан ҳǝм кǝсиплик аўқамлардан басқа жǝмийетлик бирлеспелердиң жумысына олардың уставларында нǝзерде тутылған жағдайларда жǝмǝǝтлик ағзалар: кǝрханалардың, мǝкемелердиң, шөлкемлердиң, пуқаралар бирлеспесиниң мийнет жǝмǝǝтлери қатнасыўы мүмкин. 10-статья. Жǝмийетлик бирлеспениң уставы Жǝмийетлик бирлеспениң уставы төмендегилерди нǝзерде тутыўы тийис: а) жǝмийетлик бирлеспениң атамасы, мақсетлери ҳǝм ўазыйпалары; б) жǝмийетлик бирлеспениң структурасы, өз жумысын алып баратуғын аймақ; в) жǝмийетлик бирлеспениң ағзалығына қабыллаў шǝртлери ҳǝм тǝртиби, егер бирлеспе дизимнен өтетуғын ағзаларға ийе болса, бундай жағдайларда оннан шығыў шǝртлери ҳǝм тǝртиби; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) г) жǝмийетлик бирлеспе ағзаларының (қатнасыўшыларының) ҳуқықлары менен миннетлери; д) жǝмийетлик бирлеспе уйымларының ўǝкилликлери ҳǝм оны дүзиў, шөлкемлестириў тǝртиби, олардың ўǝкилликлериниң мүддетлери; е) жǝмийетлик бирлеспе ҳǝмде оның шөлкемлерииниң қаржыларын ҳǝм басқа да мал-мүлкин пайда етиўдиң пул менен тǝмийинлениў дǝреклери; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) ж) жǝмийетлик бирлеспениң басшы уйымының мǝкан жайы; з) жǝмийетлик бирлеспениң уставына өзгерислер ҳǝм қосымшалар киргизиў тǝртиби; и) жǝмийетлик бирлеспениң жумысын тоқтатыў тǝртиби. Уставта жǝмийетлик бирлеспениң жумысына тийисли басқа да режелер нǝзерде тутылыўы мүмкин. Жǝмийетлик бирлеспениң уставы ǝмелдеги нызамларға қайшы келмеўи тийис. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 11-статья. Жǝмийетлик бирлеспелердиң уставларын дизимге алыў Улыўма аўқамлық ҳǝм республикалық жǝмийетлик бирлеспелердиң, халық аралық, республика аралық жǝмийетлик бирлеспелердиң Қарақалпақстан Республикасында ислейтуғын республикалық буўынларының, сондай-ақ республикалық ҳǝм жергиликли жǝмийетлик бирлеспелердиң уставлары Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде дизимге алынады. Жǝмийетлик бирлеспениң уставын дизимге алыў ушын уставтың қабыл етилген күнинен баслап бир айлық мүддет ишинде тийисли жǝмийетлик бирлеспениң басшы уйымларының қолы қойылған арза берилип, ҳǝр бириниң фамилиясы, исми, ǝкесиниң исми, туўылған жылы, мǝкан жайы көрсетиледи. Арзаға устав, оны қабыл еткен шөлкемлестириў съездиниң (конференциясының) ямаса жǝмийетлик жыйналыстың протоколы, усы Нызамның 6 ҳǝм 8-статьяларының талапларының орынланыўын тастыйықлайтуғын басқа да материаллар қоса тигиледи. Уставты дизимге алыў ҳаққында арза алынған күнинен баслап бир айлық мүддет ишинде қаралады. (02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жǝмийетлик бирлеспелердиң уставларының өзгерислери мекен қосымшалары уставларды дизимге алған тǝртипте ҳǝм мүддетлерде дизимге алыныўы тийис. Жǝмийетлик бирлеспелердиң уставларын дизимге алатуғын уйым бул бирлеспелердиң реестрин жүргизеди. Жǝмийетлик бирлеспелер ямаса оның шөлкемлери (уйымы) усы Нызамда нǝзерде тутылған тǝртипте уставларын дизимге алғаннан кейин ғана өз жумысын ǝмелге асырады ҳǝм миллий нызамшылыққа муўапық юридикалық тǝреплер деп танылыўы мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Тийисли тǝртипте өз уставларын дизимнен өткермеген жǝмийетлик бирлеспелердиң, соның ишинде массалық ҳǝрекетлердиң филиалларының ҳǝм олардың басқа да структуралық бөлимшелериниң, сондай-ақ республикалық ҳǝм жергиликли жǝмийетлик бирлеспелердиң жумысына жол қойылмайды. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Жǝмийетлик бирлеспениң уставын, оған киргизилген кейинги өзгерислер ҳǝм қосымшаларды дизимнен өткериў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тǝрепинен белгиленетуғын муғдарда мǝмлекетлик бажы өндириледи. (22.05.2010-ж. 31/II-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 12-статья. Жǝмийетлик бирлеспениң уставын дизимге алыўдан бас тартыў Егер жǝмийетлик бирлеспениң уставы усы Нызамның 3,4 ямаса 10-статьяларының режелерине қарама-қарсы келсе ямаса жǝмийетлик бирлеспениң уставы тап усындай атама менен бурын дизимге алынған болса, жǝмийетлик бирлеспениң уставын дизимге алыўдан бас тартыўы мүмкин. Уставты дизимге алыўдан бас тартылған жағдайда арза бериўшилерге бас тартыўдың ǝмелдеги нызамлар менен тийкарланылған себеплерин көрсетип, бул ҳаққында жазба түрде мǝлимленеди. Жǝмийетлик бирлеспениң уставын дизимге алыўдан бас тартыў ҳǝрекетине байланыслы судқа шағым етилиўи мүмкин ҳǝм бул ҳǝрекет Өзбекстан Республикасының пуқаралық прцессуалық нызамларында нǝзерде тутылған тǝртипте қаралады. Жǝмийетлик бирлеспениң уставын дизимге алыўдан бас тартыў үстинен тийисли тǝртипте судқа шағым етилиўи мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 13-статья. Жǝмийетлик бирлеспелердиң символлары Жǝмийетлик бирлеспелер символлар ретинде эмблемаларға, байрақларға ҳǝм вымпеллерге ийе болыўы мүмкин. Жǝмийетлик бирлеспелердиң эмблемалары уставларына муўапық олардың баслы уйымлары тǝрепинен тастыйықланады. Жǝмийетлик бирлеспелердиң эмблемалары ҳǝм вымпеллери усы Нызамның 3-статьясының екинши бөлиминде көрсетилген мақсетлерди пропагандалаўға хызмет етиўи мүмкин емес. Байрақлар ҳǝм вымпеллер белгиленген тǝртипте мǝмлекетлик дизимнен өткерилиўи тийис. 14-статья. Жǝмийетлик бирлеспелердиң жумысын тоқтатыў Жǝмийетлик бирлеспелердиң жумысы қайта шөлкемлестириў (бирлестириў, қосып жибериў, бириктириў, ажыратыў) ямаса сапластырыў жолы менен тоқтатылыўы мүмкин. Жǝмийетлик бирлеспелер съездлериниң (конференцияларының) ямаса жǝмийетлик жыйналысларының шешимлери бойынша қайта шөлкемлестириледи. Қайта шөлкемлестирилгеннен кейин жаңадан дүзилген жǝмийетлик бирлеспелердиң уставлары усы Нызамның 11-статьясында белгиленген тǝртипте дизимге алынады. Жǝмийетлик бирлеспе съездиниң (конференциясының) ямаса улыўма жыйналысының шешими бойынша, ямаса усы Нызамның 22-статьясында нǝзерде тутылған тийкарлар бойынша ҳǝм тǝртипте сапластырылады. Съездиниң (конференциясының) ямаса улыўма жыйналысының шешими бойынша сапластырылған жǝмийетлик бирлеспениң мүлки оның уставында нǝзерде тутылған мақсетлерге жумсалады. Сиясий партияның Қарақалпақстан Республикалық шөлкеминиң жумысын тоқтатып таслаў ямаса тоқтатып турыў «Сиясий партиялар ҳаққында» Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық ǝмелге асырылады.III-БАП. ЖӘМИЙЕТЛИК БИРЛЕСПЕЛЕРДИҢ ҲУҚЫҚЛАРЫ ҲӘМ ЖУМЫС ЖАҒДАЙЛАРЫ (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген)
15-статья. Жǝмийетлик бирлеспелердиң ҳуқықлары Жǝмийетлик бирлеспелер нызам алдында тең. Жǝмийетлик бирлеспелердиң ҳуқықлары олардың уставларында бекитиледи. Уставларында, программалық ҳүжжетлеринде, басқа да актлеринде белгиленген мақсетлерди ҳǝм ўазыйпаларды ǝмелге асырыў ушын жǝмийетлик бирлеспелер өз мақсетлери ҳǝм жумысы ҳаққында мағлыўматларды еркин таратады, ал нызамларда нǝзерде тутылған жағдайда ҳǝм тǝртипте: мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларын дүзиўге қатнасады; нызам шығарыў басламасын көтерип шығады; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында алып тасланған) мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларының шешимлерин ислеп шығыўға қатнасады; мǝмлекетлик ҳǝм жǝмийетлик уйымларда өз ағзаларының (қатнасыўшыларының) нызамлы мǝплерин гөзлейди ҳǝм қорғайды; усы Нызамда ҳǝм Қарақалпақстан Республикасының басқа да нызам актлеринде нǝзерде тутылған басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырады. 16-статья. Сиясий партиялардың Қарақалпақстан Республикалық шөлкемлери ҳǝм массалық жǝмийетлик ҳǝрекетлер, кǝсиплик аўқамлар Сиясий партияның Қарақалпақстан Республикалық шөлкеми мǝмленкетлик ҳǝкимият уйымларын қǝлиплестириўде жǝмийеттиң белгили бир бөлегиниң сиясий ерк-ықрарын ǝмелге асырыўға умтылады ҳǝм өз ўǝкиллери арқалы мǝмлекетлик ҳǝм жǝмийетлик ислерди басқарыўға қатнасады. Партиялар ҳǝммениң мағлыўматы ушын жǝрияланатуғын программалық ҳүжжетлерге ийе. Сиясий партияның Қарақалпақстан Республикалық шөлкеми депутатлыққа талабанлар усыныў, сайлаў алды үгит-нǝсият жүргизиў, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде ҳǝм де мǝмлекетлик ҳǝкимиятының жергиликли ўǝкилликли уйымларында партия топарларын дүзиў ҳуқықына ийе болады. Сиясий мақсетлерди ямаса басқа да мақсетлерди гөзлейтуғын массалық жǝмийетлик ҳǝрекетлер белгили ағзалыққа ийе болмайды. Әскерий хызметкерлер ҳǝм ҳуқық қорғаў уйымларында лаўазымлы адамлар өзиниң хызмет жумысында нызамлардың талапларын басшылыққа алады ҳǝм сиясий мақсетлерди гөзлейтуғын сиясий партиялардың ҳǝм массалық мǝмлекетлик ҳǝрекетлердиң шешимлери менен байланысы болмайды. Кǝсиплик аўқамлар мǝмлекетлик уйымлар, хожалық шөлкемлери, кооперативлик ҳǝм басқа да жǝмийетлик бирлеспелер менен өз-ара қатнасықларында кǝсиплик аўқамлар ҳаққында ǝмелдеги нызамларға муўапық өндирис саласында, социаллық-экономикалық ҳǝм мǝденият тараўларында кǝсиплик аўқамлар ағзаларының мǝплерин гөзлейди ҳǝм қорғайды. Сиясий партиялар ҳǝм кǝсиплик аўқамлар тек белгили жеке ағзалыққа ийе. 17-статья. Жǝмийетлик бирлеспелердиң өндирислик ҳǝм басқа исбилерменлик жумысы Жǝмийетлик бирлеспелер өндирислик ҳǝм басқа ис билерменлик жумысын нызамлар менен белгиленген тǝртипте ǝмелге асырады ҳǝм уставлық ўазыйпаларын орынлаў мақсетинде юридикалық шахс статусына ийе кǝрханаларды ҳǝм хожалық есабындағы шөлкемлерди дүзеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жǝмийетлик бирлеспелердиң өндирислик ҳǝм басқа ис билерменлик жумысынан түскен дǝраматлар бул бирлеспелердиң ағзалары (қатнасыўшылары) арасында бөлистирилиўи мүмкин емес ҳǝм уставлық ўазыйпаларын орынлаў ушын ғана пайдаланылады, жǝмийетлик бирлеспелердиң өз қаржыларын қайырхомлық мақсетте пайдаланыўына рухсат етиледи, ҳǝтте бул олардың уставларында көрсетилмесе де. Жǝмийетлик бирлеспелер тǝрепинен дүзилетуғын кǝрханалар ҳǝм шөлкемлер бюджетке нызам менен белгиленген тǝртипте ҳǝм муғдарда төлемлер өткереди. 18-статья. Жǝмийетлик бирлеспелердиң меншиги Жǝмийетлик бирлеспелер, олардың шөлкемлери меншигинде имаратларға, турақ жай фондына, үскенелерге, инвентарьға, мǝдений-ағартыў ҳǝм саламатлық, мақсетиндеги мүлкке, сондай-ақ, интеллектуал мүлк объектлерине ақшалай қаржыларға, акцияларға, басқа да баҳалы қағазларға ҳǝм өз уставларында нǝзерде тутылған жумысты атқарыў ушын зǝрүрли басқа да мүлкке ийе болыўы мүмкин. Жǝмийетлик бирлеспелердиң меншигинде, сондай-ақ өз уставларында көрсетилген мақсетлерге муўапық бул бирлеспелердиң қаржылары есабынан дүзилетуғын баспалар, басқа да кǝрханалар, қайырхомлық мǝкемелери болыўы мүмкин. Қарақалпақстан Республикасының нызам актлеринде мǝмлекетлик ҳǝм жǝмийетлик қǝўипсизликке бола, ямаса халық аралық шǝртнамаларға муўапық жǝмийетлик бирлеспелердиң меншигинде болыўы мүмкин емес мүлк түрлери белгилениўи мүмкин. Жǝмийетлик бирлеспелердиң ақша қаржылары, егер уставта нǝзерде тутылған болса, бирлеспеге кириў ҳǝм ағзалық төлемлерин төлеўден, ықтыярлы рǝўиште өткерилген пул ҳǝм қайырқомлықлардан, уставқа муўапық өткерилген лекциялар, көргизбелер, спорт ойынлары ҳǝмде басқа мǝресимлер, лотереялар түсимлеринен, ислеп шығарыў, хожалық ҳǝм баспа хызметинен алынатуғын пайдалардан, нызам менен қадаған етилмеген басқа түсимлерден пайда болады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Сиясий партиялар ҳǝм сиясий мақсетлерди гөзлеўши ғалаба ҳǝрекетлердиң сырт еллерден, халықаралық шөлкемлер ҳǝмде сырт еллердиң юридикалық шахслары, олардың ўǝкилханалары ҳǝм филиалларынан, сырт ел инвестициялары қатнасындағы кǝрханалардан, сырт ел пуқаралары, пуқаралығы болмаған шахслардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, диний шөлкемлерден, аты жасырылған ямаса тек лақабы көрсетилген шахслардан қаржылай ҳǝм басқаша материаллық жǝрдем алыў қадаған етиледи. Бундай жǝрдем алынған жағдайда, бул қаржылар қайтарылыўы, қайтарыў имканияты болмаған жағдайда мǝмлекет пайдасына өткерилиўи тийис. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Сиясий партияларды қаржыландырыў «Сиясий партияларды қаржыландырыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық ǝмелге асырылады. Жǝмийетлик бирлеспелердиң меншиги нызам менен қорғалады. Аўқамлардың ҳǝм оларға киретуғын бирлеспелердиң бул аўқамларға ҳǝм оларға киретуғын бирлеспелерге тийисли мүлкке ийелик етиў, бийлик етиў ҳǝм оны пайдаланыў бойынша толық ҳуқықлары жǝмийетлик бирлеспелер аўқамларының уставлары менен белгиленеди. 19-статья. Жǝмийетлик бирлеспелердиң ғалаба хабар қураллары ҳǝм баспа жумысы Жǝмийетлик бирлеспелер баспасөз ҳǝм басқа да ғалаба хабар қуралларпы ҳаққында ǝмелдеги нызамларға муўапық ғалаба хабар қуралларын дүзиўге ҳǝм баспа жумысын ǝмелге асырыўға ҳақылы.IV-БАП. ЖӘМИЙЕТЛИК БИРЛЕСПЕЛЕРДИҢ ЖУМЫСЫН ҚАДАҒАЛАЎ НЫЗАМЛАРДЫ БУЗҒАНЫ УШЫН ЖУЎАПКЕРШИЛИК
20-статья. Жǝмийетлик бирлеспелердиң жумысын қадағалаў ҳǝм бақлаў Финанс уйымлары жǝмийетлик бирлеспелердиң дǝраматларының дереклерин, олардың алған қаржыларының муғдарларын ҳǝм салықлар ҳаққындағы нызамларға муўапық салықларды төлеўин қадағалаўды ǝмелге асырады. Жǝмийетлик бирлеспелердиң нызамларды орынлаўын бақлаўды прокуратура уйымлары ǝмелге асырады. Жǝмийетлик бирлеспениң уставын дизимге алған Қарақалпақстан Республикасы юстиция министрлиги жǝмийетлик бирлеспе жумысының мақсетлерине байланыслы устав режелериниң сақланыўын қадағалаўды ǝмелге асырады. Дизимге алыўшы уйым жǝмийетлик бирлеспениң баслы уйымынан қабыл етилген шешимлерди бериўди талап етиўге, жǝмийетлик бирлеспелер тǝрепинен өткерилип атырған илажларға қатнасыў ушын өз ўǝкиллерин жибериўге, жǝмийетлик бирлеспелердиң уставты сақлаўына байланыслы мǝселелер бойынша жǝмийетлик бирлеспениң ағзаларынан ҳǝм басқа да пуқаралардан түсиник алыўға ҳақылы. 21-статья. Жуўапкершиликтиң тийкарлары Жǝмийетлик бирлеспелер ҳаққында нызамларды бузыў ҳǝрекетлери ǝмелдеги нызамларға муўапық жынайый, административлик, материаллық ҳǝм басқа да жуўапкершиликке алып келеди. Жǝмийетлик бирлеспелер ҳаққында нызамды бузғаны ушын айыплы болған мǝмлекетлик ҳǝм жǝмийетлик уйымлардың лаўазымлы адамлары ҳǝм басқа да пуқаралар жуўапкершиликке тартылады. Жǝмийетлик бирлеспе, соның ишинде өз уставын дизимнен өткермеген жǝмийетлик бирлеспе жǝмийетлик бирлеспелер ҳаққында нызамды бузған жағдайларда нызамға муўапық жуўапкершиликке тартылады. Уставында белгиленген мақсетлердиң, ўазыйпалардың шегинен асып кеткен ҳǝрекетлерге барған жағдайларда жǝмийетлик бирлеспениң басшы уйымнан оның уставын дизимге алған уйым ямаса прокурор тǝрепинен жазба ескертиў берилиўи мүмкин. 22-статья. Уставтың ямаса нызамның талапларын бузған жағдайларда жǝмийетлик бирлеспени сапластырыў Жǝмийетлик бирлеспе усы Нызамның 3-статьясының үшинши, төртинши бөлими ҳǝм ǝҳ-статьясының үшинши бөлиминде нǝзерде тутылған ис ҳǝрекетлерди ислеген жағдайда суд шешимине тийкарланып сапластырылыўы мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Суд усы Нызамның 21-статьясының төртинши бөлиминде көрсетилген ҳǝрекетлерди бир жыл даўамында тǝкирарлағанда жǝмийетлик бирлеспени сапластырыўы мүмкин. Судтың шешими бойынша сапластырылған жǝмийетлик бирлеспениң мүлки қайтарып бермеў шǝрти менен мǝмлекеттиң меншигине айландырылыўы мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Улыўма аўқамлық бирлеспениң, республика аралық жǝмийетлик бирлеспениң республикалық буўыны ҳǝм район аралық жǝмийетлик бирлеспе Қарақалпақстан Республикасы прокурорының ҳǝм Әдиллик министрлигиниң усыныўы бойынша, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасының нызамлары менен ўǝкилликке ийе басқа да уйымлардың ҳǝм лаўазымлы адамлардың усыныўлары бойынша судтың шешими бойынша сапластырылады. Жǝмийетлик бирлеспени сапластырыў ҳаққында судтың шешимине байланыслы шағым етилиўи мүмкин емес. Жергиликли жǝмийетлик бирлеспелер тийислисинше районлық ҳǝм қалалық судлар тǝрепинен сапластырылады.V-БАП. ЖӘМИЙЕТЛИК БИРЛЕСПЕЛЕРДИҢ ХАЛЫҚ АРАЛЫҚ БАЙЛАНЫСЛАРЫ. ХАЛЫҚ АРАЛЫҚ ЖӘМИЙЕТЛИК БИРЛЕСПЕЛЕР
23-статья. Жǝмийетлик бирлеспелердиң халық аралық байланыслары Жǝмийетлик бирлеспелер Қарақалпақстан Республикасының нызамларына ҳǝм өз уставыларына муўапық халық аралық жǝмийетлик (ҳүкиметлик емес) бирлеспелерге кириўи, тиккелей халық аралық қатнасықлар ҳǝм байланыслар жасаўы, тийисли келисимлер дүзиўи мүмкин. 24-статья. Халық аралық жǝмийетлик бирлеспелер Қарақалпақстан Республикасында дүзилген жǝмийетлик бирлеспе, өзиниң уставына муўапық, жумысларын республика аймағында ҳǝм бир ямаса бир неше сырт еллердиң аймағында алып барса, онда ол халық аралық жǝмийетлик бирлеспе деп танылады. Егер республикалық жǝмийетлик бирлеспе сырт елде дүзилген халық аралық жǝмийетлик бирлеспениң қурамына жǝмǝǝтлик ағза сыпатында кирсе, онда оның уставы усы Нызамға муўапық дизимнен өткерилиўи тийис. Сырт елдиң аймағында өз жумысын алып барған жǝмийетлик бирлеспе дизимнен қайта өткериў ушын зǝрүрли өзгерислери ҳǝм қосымшалары менен уставын Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигине усынады. Парахатшылықты беккемлеўди, халық аралық бирге ислесиўди раўажландырыўды, адамгершиликли жумыстың басқа да түрлерин мақсет еткен жǝмийетлик бирлеспелер нызамлар менен белгиленген жеңилликлерден пайдаланыўы мүмкин. Сырт еллердиң жǝмийетлик бирлеспелериниң Қарақалпақстан Республикасы аймағында дүзилген бөлимлериниң (филиалларының ҳǝм басқа да структуралық бөлимшелериниң) жумысына усы Нызамның режелери қолланылмайды. 25-статья. Халық аралық шǝртнамалар Өзбекстан Республикасының халық аралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының усы Нызамынан басқа режелер белгиленсе, онда халық аралық шǝртнаманың режелери қолланылады.