Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ЖӘМИЙЕТЛИК ҚОРЛАР ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 29.05.2004-ж. №264/II

 ЖӘМИЙЕТЛИК ҚОРЛАР ҲАҚҚЫНДА

 Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 25.04.2009-ж. 240/III-санлы ҚР Нызамы 22.05.2010-ж. 31/II-санлы ҚР Нызамы 28.12.2013-ж. 187/XIV-санлы ҚР Нызамы 28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамы

 I. Улыўма режелер

 1-статья. Усы нызамның мақсети Усы нызамның мақсети жǝмийетлик қорларды шөлкемлестириў, олардың жумысы, қайта шөлкемлестирилиўи ҳǝм сапластырылыўы тараўындағы қатнасықларды тǝртиплестириўден ибарат. 2-статья. Жǝмийетлик қорлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Жǝмийетлик қорлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы нызам ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының жǝмийетлик қорлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылғаннан басқаша режелер белгиленген болса, халықаралық шǝртнамаларды нǝзерде тутылған режелер қолланылады. 3-статья. Жǝмийетлик қор түсиниги Юридикалық ҳǝм (ямаса) физикалық шахслар тǝрепинен ықтыярлы мүлк төлемлерин қосыў тийкарында шөлкемлестирилген, қайырқомлық, социаллық, мǝдений, ағартыўшылық ҳǝм басқа да жǝмийетлик пайдалы мақсетлерди гөзлейтуғын, ағзалығы болмаған мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем жǝмийетлик қор (буннан былай текстте қор деп алынады) деп есапланады. 4-статья. Қорлардың түрлери Қарақалпақстан Республикасында республикалық қорлар ҳǝм жергиликли қорлар шөлкемлестириледи ҳǝм жумыс алып барады. Жумысын өз уставына муўапық Қарақалпақстан Республикалары аймағында ǝмелге асыратуғын қорлар республикалық қорлар қатарына киреди. Жумысын өз уставына муўапық район(лар), қала(лар) аймағында ǝмелге асыратуғын қорлар жергиликли қорлар қатарына киреди.  5-статья. Қордың ўǝкилханалары ҳǝм филиаллары Қор Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳǝм басқа да мǝмлекетлерде ўǝкилханалар ашыўы ҳǝм филиаллар шөлкемлестириўи мүмкин. Қордың ўǝкилханасы қордың өзи турған жерден тысқарыда жайласқан ҳǝм оның мǝплерин билдиретуғын жǝне қорғайтуғын өз алдына бөлими болып табылады. Қордың филиалы қордың ол турған жерден тысқарыда жайласқан ҳǝм оның барлық ўазыйпаларын ямаса ўазыйпаларының бир бөлегин, соның ишинде ўǝкилхана ўазыйпаларын атқаратуғын өз алдына бөлими болып табылады. Қордың ўǝкилханалары ҳǝм филиаллары қордың атынан жумыс жүргизеди ҳǝм уставта белгиленген мақсетлер жǝне ўазыйпалардың ǝмелге асырылыўы ушын қор алдында жуўапкер болып табылады. Ўǝкилханалар ҳǝм филиалларды қор мүлк пенен тǝмийинлейди. Ўǝкилханалар ҳǝм филиалдың мүлки өз алдына баланста ҳǝм қордың балансында есапқа алынады. Қордың ўǝкилханалары ҳǝм филаллары қор басқармасы тǝрепинен тастыйықланған устав тийкарында жумыс алып барады. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 6-статья. Халықаралық ҳǝмде сырт ел қорларының ўǝкилханалары ҳǝм филиаллары Халықаралық ҳǝм сырт ел қорлары Қарақалпақстан Республикасы аймағында Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлерине муўапық  өз ўǝкилханаларын ашыўы ҳǝм филиалларын шөлкемлестириўи мүмкин. Бас шөлкеми Өзбекистан Республикасынан сыртта жайласқан халықаралық фондлардың ҳǝмде Қарақалпақстан Республикасы аймағында жумыс ислеп атырған сырт ел фондларының ўǝкилханалары ҳǝм филиаллары юридикалық шахс статусына ийе болыўы керек. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Халықаралық ҳǝмде сырт ел қорларының Қарақалпақстан Республикасы аймағында жумыс жүргизип атырған ўǝкилханалары ҳǝм филиалларына, нызамда басқаша режелер белгиленген болмаса, қорлардың шөлкемлестирилиўи, жумыс жүргизиўи, қайта шөлкемлестирилиўи ҳǝм сапластырылыўы ушын Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлеринде белгиленген режелер қолланылады.  (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 7-статья. Қорлардың жумысының кепилликлери Қарақалпақстан Республикасында қорлардың жумыс еркинлиги, мүлкине қол қатылмаслық ҳǝм исшеңлик абыройы қорғалыўы кепилленеди. Қорлардың мүлки национализация, реквизиция исленбейди ҳǝм алып қойылмайды, нызамда нǝзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. 8-статья.  Қорлардың мǝмлекетлик уйымлар менен өз-ара қатнасықлары Қорлардың мǝмлекетлик уйымлар менен өз-ара қатнасықлары социаллық шериклик, юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың хуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплерин қорғаў тийкарында қурылады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)          Мǝмлекетлик уйымлар қорлардың ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплериниң сақланыўын тǝмийинлейди, қорлардың социаллық ǝҳмийетке ийе бағдарламалары ҳǝм жойбарларын қоллап-қуўатлаўы мүмкин. Мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм олардың лаўазымлы шахсларының қорлардың жумысына араласыўына, сондай-ақ, қорлардың мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм олардың лаўазымлы шахсларының жумысына араласыўына жол қойылмайды.

II. Қорды шөлкемлестириў ҳǝм мǝмлекетлик дизимнен өткериў тǝртиби

 9-статья. Қорды шөлкемлестириў Қор шөлкемлестириўшилердиң (шөлкемлестириўшиниң) қарарына муўапық ямаса ўǝсиятнама бойынша шөлкемлестирилиўи мүмкин. 10-статья. Қордың шөлкемлестириўшилери (шөлкемлестириўшиси) Бир ямаса бирнеше юридикалық ҳǝм (ямаса) физикалық шахс қордың шөлкемлестириўшилери (шөлкемлестириўшиси) болыўы мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Қордың шөлкемлестириўшилери (шөлкемлестириўшиси) қордың уставын тастыйықлайды, қордың қǝўендерлик кеңесиниң дǝслепки қурамының ағзаларын тайынлайды ҳǝм усы нызам жǝне басқа да нызамға ҳүжжетлерине муўапық ўǝкилликлерди ǝмелге асырады. 11-статья. Қордың ўǝсиятнама бойынша шөлкемлестирилиўи Қор ўǝсиятнама бойынша шөлкемлестирилгенде ўǝсиятнамада қордың мақсетлери ҳǝм ўазыйпалары, оған өткерилип атырған мүлк көлеми көрсетилген ҳǝм ўǝсиятнаманы орынлаўшы белгиленген болыўы керек. Ўǝсиятнаманы орынлаўшы қордың кǝўендерлик кеңесиниң дǝслепки қурамының ағзаларын егер олар ўǝсиятнамада атпа ат көрсетилген болмаса тайынлайды, сондай-ақ қордың шөлкемлестирилиўи менен байланыслы   басқа да ҳǝрекетлерди ǝмелге асырады. Егер ўǝсиятнаманы орынлаўшы өзине жүкленген ҳǝрекетлерди ǝмелге асырыўдан бас тартса ямаса оларды ǝмелге асырыўға қǝбилетли болмаса, нызам ҳүжжетлерине муўапық ўǝсиятнаманы орынлаўшы жаңа шахс тайынланады. 12-статья. Қордың уставы Қордың уставы қор шөлкемлестириўшилери (шөлкемлестириўшиси) тǝрепинен тастыйықланады. Қор ўǝсиятнама бойынша шөлкемлестирилген жағдайда, қордың уставы ўǝсиятнаманы орынлаўшы тǝрепинен ўǝсиятнамаға муўапық рǝўиште дүзиледи. Қордың уставында төмендегилер көрсетилиўи керек: «жǝмийетлик қор» деген сөзлерди өз ишине алған қордың атамасы; қордың жайласқан жери (почта мǝкǝн жайы); қордың мақсетлери ҳǝм ўазыйпалары; қордың уйымларының дүзилиўи, ўǝкилликлери ҳǝм қǝлиплестириў тǝртиби; қордың уйымларының лаўазымлы шахсларын тайынлаў (сайлаў) ҳǝм лаўазымнан босатыў тǝртиби; қордың мүлкин қǝлиплестириў дереклери, қордың, оның ўǝкилханалары жǝне филиалларының мүлкин басқарыў бойынша ҳуқық ҳǝм миннетлемелери; қордың ўǝкилханаларын ашыў ҳǝм филиалларын шөлкемлестириў тǝртиби; қорды қайта шөлкемлестириў ҳǝм сапластырыў тǝртиби; қор сапластырылған жағдайда оның мүлкинен пайдаланыў тǝртиби; қордың уставына өзгерислер ҳǝм қосымшалар киргизиў тǝртиби. Қордың уставында оның тийисли тǝртипте дизимнен өткерилген символикалық белгисиниң тǝрийпи, сондай-ақ нызам ҳүжжетлерине қарсы болмаған басқа да режелер болыўы мүмкин. 13-статья. Қорды мǝмлекетлик дизимнен өткериў ҳǝмде оның ўǝкилханалары ҳǝм филиалларын есапқа алыў Қорды мǝмлекетлик дизимнен өткериў ҳǝмде оның юридикалық шахс болмаған ўǝкилханалары ҳǝм филиалларын есапқа алыў ǝдиллик уйымлары (буннан кейинги текстте дизимнен өткериўши уйым деп жүргизиледи) тǝрепинен ǝмелге асырылады. Халықаралық, республикалық қорларды, сондай-ақ бас шөлкеми Өзбекистан Республикасынан сыртта жайласқан халықаралық қорлардың ҳǝмде сырт ел қорларының ўǝкилханалары ҳǝм филиаллары Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлигинде дизимнен өткериледи. Жергиликли қорлар, сондай-ақ Өзбекистан Республикасында дизимнен өткерилген қорлардың ўǝкилханалары ҳǝм филиаллары тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде дизимнен өткериледи. Қордың юридикалық шахс болмаған ўǝкилханалары ҳǝм филиаллары Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде есапқа алыныўы тийис. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 14-статья. Мǝмлекетлик дизимнен өткериў ҳǝм есапқа алыў ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер Қорды мǝмлекетлик дизимнен өткериў ушын төмендеги ҳүжжетлер дизимнен өткериўши уйымға усынылады: дизимнен өткериў ҳаққындағы, шөлкемлестириўшилер (шөлкемлестириўши) яки олар (ол) ўǝкиллик берген шахслар (шахс) тǝрепинен қол қойылған, олардың (оның) фамилиясы, аты, ǝкесиниң аты, туўылған жылы ҳǝм жасаў орны (почта мǝнзили) көрсетилген арза; егер қор ўǝсиятнама бойынша шөлкемлестирилип атырған болса, ўǝсиятнаманың нотариал тастыйықланған нусқасы; шөлкемлестириў жыйналысының (съезди, конференциясының) яки шөлкемлестириўшиниң (егер фонд бир юридикалық шахс тǝрепинен шөлкемлестирилип атырған болса) қор шөлкемлестириўшилери (шөлкемлестириўшиси) ҳаққындағы мағлыўматлар, қордың мақсети ҳǝм ўазыйпалары көрсетилген қарары; қор уставы ямаса юридикалық шахс болған ўǝкилхана яки филиал ҳаққындағы реже мǝмлекетлик тилде еки нусқада; жайласқан орны қордың почта мǝнзили сыпатында пайдаланылыўы белгиленип атырған көшпес мүлкке болған мүлк ҳуқықын яки оннан пайдаланыў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжет; қорды дүзиў басламашылары ямаса оның шөлкемлестириўшилери ҳаққындағы мағлыўматлар; бас қордың мǝмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалығының нусқасы – ўǝкилханалар ҳǝм филиаллар ушын; мǝмлекетлик бажы төленгенлиги ҳаққындағы банк төлеў ҳүжжети; қордың дǝслепки қаржылары жыйналғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет. Усы статьяның биринши бөлиминде атап көрсетилген ҳүжжетлер қорды шөлкемлестириў ҳаққында шөлкемлестириўшилер (шөлкемлестириўши) тǝрепинен қарар қабыл етилген күннен баслап еки ай ишинде мǝмлекетлик дизимнен өткериў ушын усынылады. Егер қор ўǝсиятнама бойынша шөлкемлестирилип атырған болса, бул ҳүжжетлер мийрасқа болған ҳуқық ҳаққындағы гүўалық берилгеннен кейин еки ай ишинде усынылады. Қосып жибериў ҳǝм қосып алыў формасында қайта шөлкемлестириў жолы менен дүзилип атырған қорлар қосымша түрде төмендеги ҳүжжетлерди усынады: қайта шөлкемлестирилип атырған қорға мǝлим болған барлық кредиторлар жазба түрде хабардар етилгенлигиниң ҳǝм қайта шөлкемлестириў ҳаққында ғалаба хабар қуралларында жǝрияланғанлығының тастыйқнамасы; қайта шөлкемлестирилип атырған қордың барлық кредиторлары ҳǝм қарыздарларына қатнаслы болған барлық миннетлемелери, соның ишинде тǝреплер тартысып атырған миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхорлық ҳаққындағы қағыйдалар көрсетилген тапсырыў акты (қосып жиберилген жағдайда); мǝмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықтың түп нусқасы, сондай-ақ ишки ислер уйымларының қордың мөри ҳǝм штампы жоқ етип тасланғанлығы ҳаққындағы мағлыўматнамасы (қосып жиберилген жағдайда). Қорлардың юридикалық шахс болмаған ўǝкилханалары ҳǝм филиалларын есапқа алыў ушын төмендеги ҳүжжетлер дизимнен өткериўши уйымға усынылады: Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тǝрепинен тастыйықланатуғын формадағы арза; бас шөлкемниң ўǝкилханалар ҳǝмде филиалларды дүзиў, шөлкемлестириў ҳǝм олардың жумысын тоқтатыў тǝртибин, олардың ҳуқықлары ҳǝм миннетлемелерин белгилеўши уставының нусқасы яки бас шөлкемниң уставына муўапық ислеп шығылған, ўǝкилхана яки филиал ҳаққындағы, мǝмлекетлик тилдеги реже еки нусқада. Ўǝкилхана яки филиал ҳаққындағы реже усынылғанда бас шөлкем уставының нусқасы қосымша етиледи; қордың орайлық басшы уйымының ўǝкилхананы ашыў яки филиалды шөлкемлестириў ҳаққындағы қарары (протоколы); қордың орайлық басшы уйымының ўǝкилхана яки филиал баслығын тайынлаў ҳаққындағы қарарының нусқасы; ўǝкилхана яки филиал баслығына қордың орайлық басшы уйымы тǝрепинен берилген исенимнаманың нусқасы; қор мǝмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықтың нусқасы. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 15-статья.  Мǝмлекетлик дизимнен өткериў ҳǝм есапқа алыў ҳаққындағы қарар Қорды мǝмлекетлик дизимнен өткериў яки оның юридикалық шахс болмаған ўǝкилханасы ҳǝм филиалын есапқа алыў ушын ҳүжжетлерди қабыл еткен дизимнен өткериўши уйым мǝмлекетлик дизимнен өткериў яки есапқа алыў ҳаққында ямаса мǝмлекетлик дизимнен өткермеў яки есапқа алмаў ҳаққында бир ай ишинде қарар шығарыўы шǝрт. Қордың есапқа алынған, юридикалық шахс болмаған ўǝкилханасы ҳǝм филиалына дизимнен өткериўши уйым тǝрепинен есапқа алынғанлығы ҳаққындағы гүўалық ҳǝмде дизимнен өткериўши уйымның мөри менен тастыйықланған, есапқа алынғанлығы ҳаққында белги қойылған ўǝкилхана яки филиал ҳаққындағы реже бериледи. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)  16-статья. Мǝмлекетлик дизимнен өткериў ҳǝм есапқа алыўдан бас тартыў тийкарлары Қорды мǝмлекетлик дизимнен өткериў ҳǝмде фондтың юридикалық шахс болмаған ўǝкилханасы ҳǝм филиалын есапқа алыўдан нызамда нǝзерде тутылған жағдайларда бас тартылыўы мүмкин. Мǝмлекетлик дизимнен өткериўден ҳǝм есапқа алыўдан бас тартыў тийкарланған болыўы керек. Қорды, оның ўǝкилханалары ҳǝм филиалларын шөлкемлестириў мақсетке муўапық емес деген бǝне бенен мǝмлекетлик дизимнен өткериўден ҳǝм есапқа алыўдан бас тартыўға жол қойылмайды. Дизимнен өткериўши уйымның фондты мǝмлекетлик дизимнен өткерииў ҳǝмде оның юридикалық шахс болмаған ўǝкилханалары ҳǝм филиалларын есапқа алыўдан бас тартыў ҳаққындағы қарары үстинен, сондай-ақ бул уйымның мǝмлекетлик дизимнен өткериў ҳǝм есапқа алыў мүддетлерин бузғанлығы үстинен судқа шағым етилиўи мүмкин. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 17-статья. Қордың уставына, қордың ўǝкилханалары жǝне филиалларының режелерине өзгерислер ҳǝм қосымшалар киргизиў Қордың уставына уставтың өзинде нǝзерде тутылған тǝртипте өзгерислер ҳǝм қосымшалар киргизилиўи мүмкин. Қордың уставына киргизилип атырған өзгерислер ҳǝм қосымшалар қордың қǝўендерлик кеңеси тǝрепинен тастыйықланады ҳǝмде дизимнен өткериўши уйымға бул өзгерислер ҳǝм қосымшалар киргизилген ўақыттан баслап бир ай мүддетте мǝлим етиледи. Қордың уставына киргизилип атырған өзгерислер ҳǝм қосымшалар қорды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте қайта дизимнен өткериўге себеп болады. Қордың уставына киргизилип атырған ҳǝм уставта белгиленген мақсетлер жǝне ўазыйпаларды ямаса қордың уйымларын дүзиў тǝртибин ҳǝм бул уйымлардың ўǝкилликлерин, сондай-ақ қордың жумыс тараўын өзгертетуғын өзгерислер ҳǝм қосымшалар қорды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте қайта дизимнен өткериўге себеп болады. Қордың ўǝкилханалары ҳǝм филиалларының режелерине киргизилип атырған өзгерислер ҳǝм қосымшалар қордың басқармасы тǝрепинен тастыйықланады ҳǝм дизимнен өткериўши уйымға усы өзгерислер ҳǝм қосымшалар киргизилген ўақыттан баслап бир айлық мүддет ишинде билдириледи. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)

III. Қордың ҳуқықлары ҳǝм миннетлемелери

18-статья. Қордың ҳуқықлары Қор: меншик ҳуқықы ҳǝм басқа да материаллық ҳуқықлар тийкарында мүлкке ийе болыўға; пуқаралық ҳуқықый келисимлер дүзиўге; қайырқомлық қаржылар, төлемлер, грантлар ҳǝм басқа да қаржылар алыўға; судта, басқа да уйымлар ҳǝм шөлкемлерде өз мǝплерин билдириў ҳǝм қорғаўға; ғалаба хабар қуралларын шөлкемлестириў ҳǝм баспа жумысын ǝмелге асырыўға; өз жумысы ҳаққында мағлыўматлар тарқатыўға; ўǝкилханалар ашыў ҳǝм филиаллар шөлкемлестириўге; мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларына белгиленген тǝртипте усыныслар киргизиўге; халықаралық байланыслар орнатыў, бирге ислесиў ҳаққында келисимлер дүзиўге жǝне халықаралық бағдарламалар ҳǝм жойбарларда қатнасыўға ҳақылы. Қор нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. 19-статья. Қордың миннетлемелери Қор: өз жумысын нызам ҳүжжетлерине ҳǝм қордың уставына муўапық ǝмелге асырыўы; қордың жумысының жǝриялылығын тǝмийинлеўи ҳǝм қордың мүлкинен пайдаланыўы ҳаққында ҳǝр жылы есабатлар жǝриялаўы; дизимнен өткериўши уйымның ўǝкиллерине қор өткеретуғын илажларға еркин кириў имканиятын бериўи; өз жумысы ҳаққында мǝмлекетлик салық хызмети ҳǝм мǝмлекетлик статистика уйымларына есабатлар тапсырыўы шǝрт. қордың нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлемелери болыўы мүмкин.

IV. Қордың жумысының экономикалық тийкары

20-статья. Қордың мүлки Шөлкемлестириўшилер (шөлкемлестириўши) ямаса ўǝсият етиўши тǝрепинен қорға өткерилген ақша қаржылары ҳǝм басқа да мүлк қордың меншиги болып есапланады. Имаратлар, қурылмалар, турақ жайлар ҳǝм басқа да имаратлар, ǝсбап- үскенелер, инвентарь, ақша қаржылары, соның ишинде сырт ел валютасындағы қаржылар, баҳалы қағазлар ҳǝм басқа да мүлк қордың меншиги болыўы мүмкин. Қордың шөлкемлестириўшилери (шөлкемлестириўшиси) ямаса қор ўǝсиятнама бойынша шөлкемлестирилгенде ўǝсиятнаманы орынлаўшы қордың миннетлемелери бойынша жуўап бермейди, ал қор болса шөлкемлестириўшилердиң (шөлкемлестириўшиниң) ямаса ўǝсиятнаманы орынлаўшының миннетлемелери бойынша жуўап бермейди. Қордың мүлки шөлкемлестириўшилер арасында бөлистирилиўи мүмкин емес ҳǝм оннан тек қор уставында белгиленген мақсетлер жǝне ўазыйпаларды ǝмелге асырыў ушын пайдаланылады. Қордың мүлкинен гиреў ямаса миннетлемелердиң орынланыўын тǝмийинлеўдиң басқа да усылы сыпатында пайдаланыўға, сондай-ақ кредитлер бериў ушын пайдаланыўға болмайды. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 20¹-статья. Жǝмийетлик қорларды шөлкемлестириў ушын зǝрүр болған дǝслепки қаржылардың ең кем муғдары Төмендегилерди шөлкемлестириў ушын зǝрүр болған дǝслепки қаржылардың ең кем муғдары: халықаралық ҳǝм республикалық жǝмийетлик қорлар ушын – базалық есаплаў муғдарының бес жүз есеси муғдарында; (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) жергиликли жǝмийетлик қорлар ушын – базалық есаплаў муғдарының жүз есеси муғдарында болыўы керек. (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жǝмийетлик қорлардың бөлимлери (ўǝкилханалары ҳǝм филиаллары) ушын дǝслепки қаржылардың ең кем муғдары бар болыўы талап етилмейди. Жǝмийетлик қорларды шөлкемлестириў ушын зǝрүр болған дǝслепки қаржылардың ең кем муғдары мǝмлекетлик дизимнен өткериў ўақтында тек ғана пул формасында кǝлиплестирилиўи тийис. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 21-статья. Қордың мүлкин қǝлиплестириў дереклери Қордың мүлкин қǝлиплестириў дереклери төмендегилер болыўы мүмкин: шөлкемлестириўшилер (шөлкемлестириўши) тǝрепинен бир жола төленетуғын (өткерилетуғын) ямаса турақлы келип туратуғын ақша ҳǝм басқа да түсимлер; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) қор ўǝсиятнама бойынша шөлкемлестирилген жағдайда ўǝсият етиўшиниң қорға өткерген мүлки; юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың ықтыярлы қǝўендерлик қаржылары; (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) юридикалық ҳǝм физикалық шахслар, мǝмлекетлик, сырт ел ҳǝм халықаралық шөлкемлер, сырт ел мǝмлекетлери ажырататуғын грантлар; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) қордың исбилерменлик жумысынан алынатуғын дǝраматлар (пайда); нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дереклер. 22-статья. Қордың исбилерменлик жумысын ǝмелге асырыўы қор нызам ҳүжжетлерине муўапық исбилерменлик жумысы менен өз уставында белгиленген мақсетлерге туўры келетуғын шеклерде шуғылланыўы мүмкин. Исбилерменлик жумысының айырым түрлери қор тǝрепинен тек лицензия тийкарында ǝмелге асырылыўы мүмкин. Қор коммерциялық шөлкемлердиң устав қорында (устав капиталында) қатнасыўға ҳақылы емес, ашық саўдаларда акционерлик жǝмийетлердиң акцияларын сатып алыў буннан тысқары. Қордың бир акционерлик жǝмийеттиң устав қорындағы (устав капиталындағы) үлеси бул акционерлик жǝмийет устав фонды (устав капиталы) суммасының жигирма процентинен артық болыўы мүмкин емес. Бунда акционерлик жǝмийетлердиң алынған акциялары улыўма суммасы фонд активлери баланс қунының акционерлик жǝмийетлери устав фондында (устав капиталында) қатнасыў ҳаққындағы қарар қабыл етилип атырған сǝнедеги жигирма процентинен артық болмаўы керек. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 23-статья. Қордың өзине қатнаслы шахслар менен қатнасықлары Қорға қатнаслы шахслар төмендегилер болып табылады: қордың шөлкемлестириўшилери (шөлкемлестириўшиси) ямаса қор ўǝсиятнама бойынша шөлкемлестирилгенде ўǝсиятнаманы орынлаўшы; қордың шөлкемлестириўшилери (шөлкемлестириўшиси) ямаса қор ўǝсиятнама бойынша шөлкемлестирилгенде ўǝсиятнаманы орынлаўшы менен жақын туўысқанлық ямаса ағайиншилик байланыслығы болған шахслар, сондай-ақ, усы шөлкемлестириўшилердиң (шөлкемлестириўшиниң) ямаса ўǝсиятнаманы орынлаўшының кридиторлары; қордың шөлкемлестириўшилери (шөлкемлестириўшиси) болған юридикалық шахслардың қатнасыўшылары, кридиторлары, сондай-ақ, олар менен мийнетке байланыслы қатнасықларда болған шахслар; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) уставлық қорында (уставлық капиталында) қордың өзи қатнасып атырған юридикалық шахслар ҳǝм олардың хызметкерлери, сондай-ақ усы хызметкерлер менен жақын туўысқанлық ямаса ағайиншилик байланыслары болған шахслар; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) қордың қǝўендерлик кеңесиниң ағзалары, қордың басқарма баслығы ҳǝм ағзалары, қордың тексериў комиссиясының ағзалары, қордың басқа да хызметкерлери, сондай-ақ олар менен жақын туўысқанлық ямаса ағайиншилик байланыслары болған шахслар. Қордың өзине байланыслы шахслар менен келисимлер дүзиўине, сондай-ақ, олардың пайдасын гөзлеп басқада ҳǝрекетлер ислеўине қǝўендерлик кеңестиң келисими менен жол қойылады. Қор төмендеги жағдайларда өзине байланыслы шахслар менен келисимлер дүзиўге ямаса олардың пайдасын гөзлеп басқа да ҳǝрекетлер ислеўге ҳақылы емес: қорға қатнаслы шахслар менен бундай келисимлер дүзиў ямаса ҳǝрекетлер ислеўге қорға байланыслы болмаған шахслар менен болғандағыға қарағанда бир қанша қолай шǝртлерде ǝмелге асырылып атырған болса; қорға қатнаслы шахс қордың қǝўендерлик кеңесиниң ағзасы болса. 24-статья. Қордың мүлкинен пайдаланыў Қордың мүлкинен қордың уставында белгиленген мақсетлер ҳǝм ўазыйпаларды ǝмелге асырыў жǝне ҳǝкимшилик қǝрежетлерди қаплаў ушын пайдаланылады. Қордың ҳǝкимшилик қǝрежетлери қор тǝрепинен есап бериў дǝўиринде қорды басқарыў ушын исленген барлық қǝрежетлерди ҳǝм биринши нǝўбетте оның активлерин сақлаў ҳǝм сақлап турыў ушын зǝрүр қǝрежетлерди, қордың өз уставында белгиленген мақсетлер ҳǝм ўазыйпаларды ǝмелге асырыў ушын рекламаға сарыпланған қаржыларын, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерине муўапық қордың жумысы менен байланыслы қǝрежетлерди ҳǝм төлемлерди өз ишине алады. Ҳǝр жылғы ҳǝкимшилик қǝрежетлердиң жалпы муғдары, сондай-ақ, қордың қǝўендерлик кеңеси ҳǝм тексериў комиссиясының ағзаларына ҳақы төлеў ҳǝм олардың өз ўазыйпаларын орынлаўы менен байланыслы қǝрежетлерин компенсация ислеў қордың барлық қǝрежетлери муғдарының жигирма процентинен аспаўы керек. Усы шеклеў қǝўендерлик бағдарламаларын ǝмелге асырыўда қатнасатуғын шахслардың мийнетине ҳақы төлеўде қолланылмайды. (25.04.2009-ж. 240/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Қордың мүлки қорға қатнаслы шахслар арасында бөлистирилиўине жол қойылмайды. Қордың мүлкин көбейтиў ушын қорға қаржы киргизген шахслар қаржы берип атырғанда бул қаржылардың белгиленген мақсетте пайдаланылыўы ҳаққында, соның ишинде қорды қайта шөлкемлестиргенде ямаса сапластырғанда қаржыларды қайтарыў шǝртлери ҳаққында қор менен шǝртнамалар дүзиўи мүмкин. 25-статья. Қорда есапқа алыў ҳǝм есабат Қор өз жумысы нǝтийжелери есабын жүргизеди ҳǝм белгиленген тǝртипте мǝмлекетлик салық хызмети уйымлары ҳǝм мǝмлекетлик статистика уйымларына есабат усынады. Қор ҳǝр жылы алдыңғы жылдағы өз жумысы ҳаққында төмендегилерди өз ишине алған есабат жǝриялайды; Қордың есап бериў дǝўирдеги жумысына шолыў, бул жумыс қордың уставында белгиленген мақсет ҳǝм ўазыйпаларға муўапықлығы дǝрежесин көрсеткен ҳалда; қордың бир жыллық есабатын, аудиторлық шөлкемниң жуўмағын көрсеткен ҳалда; қордың алған ықтыярлы қайырқомлық жǝрдемлери ҳаққындағы мағлыўматларды; қордың исбилерменлик жумысынан алынған дǝраматлары (пайдасы) ҳаққындағы мағлыўматларды, бул дǝраматлардың (пайданың) келип шығыў дереклерин өз алдына көрсеткен ҳалда; қǝрежетлердиң улыўма муғдарын, қордың жумысының айырым түрлери бойынша ҳǝм ҳǝкимшилик қǝрежетлер бойынша өз алдына көрсеткен ҳалда; қордың уставындағы ҳǝм қордың уйымларындағы өзгерислер ҳаққындағы мағлыўматларды; қордың уставында ямаса қордың қǝўендерлик кеңеси тǝрепинен белгиленген басқада мағлыўматларды.

V. Қорды басқарыў

26-статья. Қордың қǝўендерлик кеңеси Қордың қǝўендерлик кеңеси қордың уйымы болып, ол қордың жумысын қадағалаўды ǝмелге асырады. Қордың қǝўендерлик кеңесиниң қурамы кеминде үш адамнан ибарат болыўы керек. Қǝўендерлик кеңесиниң дǝслепки қурамының ағзалары шөлкемлестириўшилер (шөлкемлестириўши) тǝрепинен ямаса қор ўǝсиятнама бойынша шөлкемлестирилген болса, ўǝсиятнамада нǝзерде тутылған тǝртипте тайынланады. Қордың қǝўендерлик кеңесин дүзиў, қǝўендерлик кеңеси жыйналысларын шақырыў ҳǝм қǝўендерлик кеңесиниң қарарларын қабыл етиў тǝртиби қордың уставында белгиленеди. Қордың қǝўендерлик кеңесиниң ағзалары бир ўақыттың өзинде қордың басқармасы ҳǝм тексериў комиссиясына ағза болыўына жол қойылмайды. Қордың уставында қордың кǝўендерлик кеңесиниң ағзаларына ҳақы төлеў ҳǝм олардың өз ўазыйпаларын атқарыўы менен байланыслы қǝрежетлерин компенсация етиў нǝзерде тутылыўы мүмкин.  27-статья. Қордың қǝўендерлик кеңесиниң ўǝкилликлери Қордың қǝўендерлик кеңесиниң ўǝкилликлерине төмендегилер киреди: қордың жумысын ҳǝм усы жумыс нызам ҳүжжетлерине жǝне қордың уставына, қордың кǝўендерлик кеңесиниң қарарларына муўапық болыўын қадағалаўды ǝмелге асырыў; қордың уставына киргизилетуғын өзгерислер ҳǝм қосымшаларды тастыйықлаў; қордың басқармасы ҳǝм тексериў комиссиясын дүзиў; қордың ақша қаржылары ҳǝм басқа да мүлкинен пайдаланыўын қадағалаўды ǝмелге асырыў; қор бюджетин тастыйықлаў; қордың бир жыллық балансын, бир жыллық финанс есабатын, соның ишинде қор басқармасының өз жумысы ҳаққындағы есабатын тастыйықлаў; қордың жумысын гезексиз тексериў ушын аудиторлық шөлкемди тартыў ҳаққында қарар қабыл етиў; қордың басқармасының қор уставында белгиленген мақсетлер ҳǝм ўазыйпаларға қарсы болған қарарларының орынланыўын тоқтатып қойыў ямаса оларды бийкарлаў; қорды қайта шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етиў. Қордың уставында қордың қǝўендерлик кеңесиниң ўǝкилликлерине басқа да мǝселелер киргизилиўи мүмин. Қордың кǝўендерлик кеңесиниң ўǝкилликлерине киргизилген мǝселелер шешилиўи ушын қордың басқармасы ямаса тексериў комиссиясына өткерилиўине жол қойылмайды. Қордың кǝўендерлик кеңеси қордың басқа уйымларынан қордың жумысына байланыслы ҳүжжетлерди талап етиўге ҳǝм алыўға ҳақылы. Қордың кǝўендерлик кеңесиниң қарарлары қордың басқармасы ҳǝм басқа да уйымлары, қордың хызметкерлери ушын мǝжбүрий есапланады. 28-статья. Қордың басқармасы Қордың басқармасы қордың атқарыў уйымы болып табылады. қордың басқармасының қурамы қордың қǝўендерлик кеңеси тǝрепинен қǝлиплестириледи. Қор басқармасының басшысы ҳǝм ағзалары қордың қǝўендерлик кеңеси ҳǝм тексериў комиссиясының ағзалары болыўына жол қойылмайды. Қордың басқармасы кеминде жылына бир мǝрте өз жумысы ҳаққында қǝўендерлик кеңесине есап береди. 29-статья. Қордың басқармасының ўǝкилликлери Қор басқармасының ўǝкилликлерине төмендегилер киреди: қордың күнделикли жумысына улыўма басшылық етиў; қор тǝрепинен шөлкемлестирилген исбилерменлик структуралары жумысын қадағалаўды ǝмелге асырыў; қордың қǝўендерлик кеңеси менен келисилген тийкарда қордың хызметкерлериниң штат кестеси ҳǝм ис ҳақы муғдарын белгилеў; қордың қǝўендерлик кеңеси менен келисилген тийкарда ўǝкилханалар ашыў ҳǝм филиаллар шөлкемлестириў жǝне олардың жумысын қадағалаўды ǝмелге асырыў; қордың ўǝкилханалары ҳǝм филиаллары ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў олардың басшылырын тайынлаў. қордың уставында қордың басқармасының ўǝкилликлерине басқада мǝселелер киргизилиўи мүмкин. 30-статья. Қор басқармасының басшысы Қор басқармасының басшысы қор басқармасының жумысына басшылық етеди, мǝмлекетлик уйымлар, халықаралық шөлкемлер ҳǝм сырт ел шөлкемлери, сондай-ақ, басқа да юридикалық ҳǝм физикалық шахслар менен қатнасықларда оның атынан ҳǝрекет етеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)

VI. Қордың жумысын қадағалаў

 31-статья. Қордың тексериў комиссиясы Қордың материаллық жумысын ҳǝм оның ақша қаржылары дурыс сарыпланыўын жǝне мүлкинен дурыс пайдаланылыўын қадағалаў ушын кеминде үш адамнан ибарат қурамда қордың тексериў комиссиясы дүзиледи. Қордың тексериў комиссиясының ағзалары қордың қǝўендерлик кеңеси тǝрепинен лаўазымға тайынланады ҳǝм лаўазымнан босатылады. Қордың тексериў комиссиясының қурамы, ўǝкилликлери ҳǝм жумыс мүддети қордың уставында белгиленеди. Қордың тексериў комиссиясы ағзалары бир ўақыттың өзинде қордың қǝўендерлик кеңесиниң ҳǝм басқарманың ағзасы болыўы мүмкин емес. Қордың тексериў комиссиясы қордың кǝўендерлик кеңесиниң гезексиз жыйналысы шақырылыўын талап етиўге ҳақылы. Қор уставында қордың тексериў комиссиясы ағзаларына ҳақы төлеў ҳǝм олардың өз ўазыйпаларын атқарыўы менен байланыслы шығынларын компенсация етиў нǝзерде тутылыўы мүмкин. Төленетуғын бундай ҳақы ҳǝм компенсация муғдары қордың уставына муўапық қордың қǝўендерлик кеңеси тǝрепинен белгиленеди. 32-статья. Қордың тексериў комиссиясының тексериўлер өткериўи Қордың финанс жумысын ҳǝм қор басқарыўы тǝрепинен ақша қаржылары дурыс сарыпланып атырғанлығын ҳǝм басқа да мүлктен дурыс пайдаланылып атырғанлығын тексериўди қордың қǝўендерлик кеңесиниң қарарына муўапық қордың тексериў комиссиясы қордың бир жыллық ямаса басқа мүддеттеги жумысының жуўмақлары бойынша ǝмелге асырады. Қордың лаўазымлы шахслары қордың тексериў комиссиясының талабына муўапық комиссияға қордың финанслық жумысы ҳаққындағы ҳүжжетлерди усыныўы шǝрт. Қордың финанс жумысын тексериў нǝтийжелери тийкарында қордың тексериў комиссиясы төмендегилерди өз ишине алған жуўмақ таярлайды: есабатлардағы ҳǝм басқа да финанслық ҳүжжетлердеги мағлыўматлардың исенимли екенлигине берилген баҳа; бухгалтериялық есап жүргизилиўи ҳǝм финанслық есабат тапсырыў тǝртибин бузғанлығы жағдайлары ҳаққындағы мағлыўмат; анықланған қағыйдабузарлықларды сапластырыў бойынша усыныслар, сондай-ақ, қордың финанс жумысы нǝтийжелилигин арттырыўға байланыслы усыныслар.  33-статья. Қордың жумысын аудиторлық тексериўден өткериў Қор нызам ҳүжжетлерине муўапық ҳǝр жылы өз жумысын аудиторлық тексериўден өткереди. Аудиторлық шөлкемди қордың қайырқомлық кеңеси таңлайды. Қорға қатнаслы шахслар қор жумысын аудиторлық тексериўден өткериўге аудитор сыпатында тартылыўы мүмкин емес. 34-статья. Қордың жумысын тоқтатып қойыў Қордың нызам ҳүжжетлерин ҳǝм қордың уставында белгиленген талапларды бузған жағдайда оның жумысы дизимнен өткериўши уйымның арзасына муўапық суд тǝрепинен тоқтатып қойылыўы мүмкин. Қордың жумысын тоқтатып қойыў тǝртиби ҳǝм мүддетлери нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди. 35-статья. Қордың жумысын мǝмлекетлик қадағалаў Қордың жумысын мǝмлекетлик қадағалаў дизимнен өткериўши уйым ҳǝм басқа да ўǝкилликли уйымлар тǝрепинен нызам ҳүжжетлерине муўапық ǝмелге асырылады.

VII. Жуўмақлаўшы режелер

 36-статья. Қорды қайта шөлкемлестириў Қордың қǝўендерлик кеңесиниң қарарына муўапық қор қайта шөлкемлестирилиўи мүмкин. Қордың қайта шөлкемлестирилиўине тек басқа қор менен қосып жиберилген, басқа қорды бирлестирип алған ямаса басқа қорға бирлестирилген жағдайларда жол қойылады. 37-статья. Қорды сапластырыў Қорды сапластырыў мǝпдар тǝреплердиң арзасына тийкарланып судтың қарарына муўапық ǝмелге асырылады. Қор төмендеги жағдайларда сапластырылыўы мүмкин: қордың шөлкемлестирилиўинен гөзленген мақсетке ерисилгенлигине байланыслы; жумыс мүддети тамамланғанлығына байланыслы; егер қордың мүлки қор өзиниң алдына қойған мақсетлерге ерисиў ҳǝм ўазыйпаларды ǝмелге асырыў ушын жетерли болмаса, ал зǝрүр мүлкти алыў итималы болмаса; егер қор өз алдына қойған мақсетлерге ерисиўи мүмкин болмаса, бул мақсетлерди болса тийисли түрде өзгертиўге болмаса; қор өз уставында белгиленген мақсетлер ҳǝм ўазыйпалардан шетке шыққан болса; нызамда нǝзерде тутылған басқада жағдайларда. Қорды сапластырыў нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылған тǝртипте ǝмелге асырылады. Қордың кредиторларының талаплары қанаатландырылғаннан кейин қалған мүлки қордың шөлкемлестириўшилери (шөлкемлестириўшиси), сондай-ақ, қордың қǝўендерлик кеңеси, басқармасы, тексериў комиссиясының ағзалары ямаса қордың хызметкерлери арасында бөлистирилиўине жол қойылмайды ҳǝм оннан қордың уставында нǝзерде тутылған тǝртипте, қорды шөлкемлестириўден гөзленген мақсетлерде ҳǝм (ямаса) қайырқомлық мақсетлерде пайдаланылады. 38-статья. Тартысларды шешиў Қорларды шөлкемлестириў, олардың жумыс жүргизиўи, қайта шөлкемлестирилиўи ҳǝм сапластырылыўы тараўындағы тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте шешиледи. 39-статья. Жǝмийетлик қорлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик Жǝмийетлик қорлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын айыплы шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.