ЖАСЛАРҒА ТИЙИСЛИ МӘМЛЕКЕТЛИК СИЯСАТ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 04.04.2018-ж. №133/XV
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 29.06.2019-ж. 258/XXVI-санлы ҚР Нызамы 07.04.2022-ж. 209/XXVII-санлы ҚР НызамыЖАСЛАРҒА ТИЙИСЛИ МӘМЛЕКЕТЛИК СИЯСАТ ҲАҚҚЫНДА
1-БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
1-статья. Усы Нызамның мақсети Бул Нызамның мақсети жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы қатнасықларды тǝртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳǝм басқа нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, онда халықаралық шǝртнама қағыйдалары қолланылады. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат – мǝмлекет тǝрепинен ǝмелге асырылатуғын ҳǝм де жасларды социаллық жақтан қǝлиплестириў ҳǝм олардың интеллектуаллық, дөретиўшилик ҳǝм басқа да бағдардағы потенциалын жетилистириў ушын шараятлар жаратылыўын нǝзерде тутатуғын социаллық-экономикалық, шөлкемлестириўшилик ҳǝм ҳуқықый илажлар системасы; жаслар (жас пуқаралар) – он төрт жасқа толған ҳǝм отыз жастан аспаған шахслар; жас шаңарақ – ерли-зайыплының екеўи де отыз жастан аспаған шаңарақ ямаса перзент (бала) тǝрбиялап камалға келтирип атырған отыз жастан аспаған жалғыз баслы ǝкеден яки жалғыз баслы анадан ибарат болған шаңарақ, сондай-ақ некеден ажырасқан жалғыз баслы еркек (жалғыз баслы ҳаял); жас қǝниге – жоқары яки орта арнаўлы, кǝсиплик билимлендириў оқыў орнын питкерген, оқыў орнын питкергеннен соң алған қǝнигелиги бойынша үш жыл ишинде жумысқа кирген ҳǝм мағлыўматы ҳаққындағы ҳүжжетте көрсетилген қǝнигелиги бойынша ислеп атырғанына үш жылдан көп болмаған отыз жастан аспаған хызметкер; жаслар исбилерменлиги – юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда жас пуқаралар тǝрепинен, сондай-ақ шөлкемлестириўшилери жас пуқаралар болған юридикалық шахслар тǝрепинен ǝмелге асырылатуғын исбилерменлик жумысы. 4-статья. Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы принциплери Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат: ашық ҳǝм айдынлық; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда жаслардың қатнасыўы; жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳǝм хошаметлеў; руўхый, ǝдеп-икрамлылық ҳǝм мǝдений қǝдириятлардың үстинлиги; жаслардың кемситилиўине жол қойылмаўы. 5-статья. Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат: жаслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин тǝмийинлеў; жаслардың өмири ҳǝм денсаўлығын сақлаў; жаслардың руўхый, интеллектуаллық, физикалық ҳǝм ǝдеп-икрамлылық жақтан раўажланыўына көмеклесиў; жаслар ушын ашық ҳǝм сапалы билимлендириўди тǝмийинлеў; жасларды жумысқа орналастырыў ҳǝм олардың бǝнтлиги ушын шараятлар жаратыў; жасларды Ўатанды сүйиўшилик, пуқаралық сезими, кеңпейиллик, нызамларға, миллий ҳǝм улыўмаинсаный қǝдириятларға ҳүрмет руўхында, зыянлы тǝсирлер ҳǝм ағымларға қарсы тура алатуғын, өмирге болған терең исеним ҳǝм көз-қарасларға ийе етип тǝрбиялаў; жасларды ǝдеп-икрамлылық негизлерин бузыўға алып келетуғын ис-ҳǝрекетлерден, терроризм ҳǝм диний экстремизм, сепаратизм, фундаментализм, жаўызлық ҳǝм мийримсизлик идеяларынан қорғаў; жаслардың ҳуқықый санасы ҳǝм ҳуқықый мǝденияты дǝрежесин көтериў; қǝбилетли ҳǝм талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў ҳǝм хошаметлеў; жаслар исбилерменлигин раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў; жасларда саламат турмыс тǝризине умтылыўды қǝлиплестириў, сондай-ақ жаслардың бос ўақытларын мазмунлы етип шөлкемлестириў ҳǝм жаслар спортын ғалабалық түрде раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў; жас шаңарақларды руўхый ҳǝм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, олар ушын мүнǝсип турақ-жай ҳǝм социаллық-турмыслық шараятларды жаратыў бойынша комплексли илажлар системасын ǝмелге асырыў; жаслардың ҳуқықлары ҳǝм еркинликлерин жүзеге шығарыў саласындағы искерликти ǝмелге асырыўшы халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўди раўажландырыў. 6-статья. Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы мǝмлекетлик бағдарламалар, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламалар Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат мǝмлекетлик бағдарламалар, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламалар тийкарында ǝмелге асырылыўы мүмкин. Мǝмлекетлик бағдарламалар, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламалар жасларды социаллық қоллап-қуўатлаў, жас пуқаралардың жеке, сиясий, экономикалық, социаллық ҳǝм мǝдений ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин қорғаў ҳǝм жүзеге шығарыўды тǝмийинлейтуғын зǝрүр шараятларды жаратыў, жǝмийет турмысында олардың орны ҳǝм белсендилигин асырыў, саламат ҳǝм бǝркамал жас ǝўладты тǝрбиялаў мақсетинде ислеп шығылады ҳǝм ǝмелге асырылады.II-БАП. ЖАСЛАРҒА ТИЙИСЛИ М!МЛЕКЕТЛИК СИЯСАТТЫ ЖҮЗЕГЕ ШЫҒАРЫЎДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎШЫ ҲӘМ ДЕ ОНДА ҚАТНАСЫЎШЫ УЙЫМЛАР ҲӘМ МӘКЕМЕЛЕР
7-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясаттың ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды ҳǝм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады, тастыйықлайды ҳǝм ǝмелге асырады; аймақта жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўға қаратылған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығады ҳǝм қабыл етеди; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты жүзеге шығарыўды ǝмелге асырыўшы ҳǝм де онда қатнасыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелердиң жумысын өз ўǝкилликлери шеңберинде муўапықластырады; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўдың барысын улыўмаластырыў ҳǝм анализлеўди шөлкемлестиреди ҳǝм де оны еледе жетилистириў бойынша илажлар көреди; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты жүзеге шығарыўдың нǝтийжелилигин асырыў ушын жаслардың мүтǝжликлери мониторинги алып барылыўын ҳǝм баҳаланыўын тǝмийинлейди; жаслардың бǝнтлиги ҳǝм оларды жумысқа орналастырыў сиясатының ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди, мийнет базары ҳǝм жас қǝнигелерди жумысқа орналастырыў ǝмелиятының мониторингин шөлкемлестиреди; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыў мǝселелери бойынша мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм мǝкемелер, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳǝм де пуқаралық жǝмийетиниң басқа да институтларының бирге ислесиўин тǝмийинлейди; Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 71-статья. Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат саласындағы ўәкилликлери Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат саласындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы органы болып табылады (буннан кейин текстте арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымы деп жүритиледи). Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымы: жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат саласындағы бағдарламаларын ислеп шығады ҳәм әмелге асырады; жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат саласындағы нызам дөретиўшилиги жумысында қатнасады, тийисли нормативлик ҳуқықый актлерди жетилистириў бойынша усыныслар таярлайды; жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырады; жаслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға қаратылған илажларды әмелге асырады; жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасын әмелге асырыўда қатнасады; жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатының әмелге асырылыўын таллайды, сондай-ақ оны жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығады; жасларды ҳуқықый ҳәм социаллық қорғаўға, сондай-ақ олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған илажларды әмелге асырады; сырт елде оқыйтуғын жаслар менен ислерди системалық тийкарда шөлкемлестиреди; жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат ҳаққындағы нызамшылықтың анықланған бузылыўларын, оларға мүмкиншилик жаратыўшы себеплер ҳәм шәрт-шәраятларды сапластырыў ҳаққында мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери басшыларына қарап шығылыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизеди; жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў мәселелери бойынша мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң биргеликтеги ислеўин тәмийинлеўге байланыслы илажларды әмелге асырады; жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары менен биргеликте ислейди; Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымы нызамшылыққа муўапық басқа ўәкилликлерди де әмелге асырыўы мүмкин. Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерине жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша нормативлик ҳуқықый актлер ҳәм бағдарламалардыӊ орынланыўы ҳәм де олардың ўәкилликлерине киретуғын басқа да зәрүрли мәселелер ҳаққында тийкарланған түсиндириўлер усыныў талабы менен сораўлар жибериўге ҳақылы. Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыўға тиккелей ямаса тиккелей болмаған тәсир көрсететуғын нормативлик ҳуқықый актлер жойбарлары арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымы менен мәжбүрий тәртипте келисиледи. (71-статьясы Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық толықтырылған) 8-статья. Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы ўǝкилликлери Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары: тийисли аймақта жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясаттың ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ǝмелге асырыўда қатнасады; тийисли аймақта жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады, тастыйықлайды ҳǝм ǝмелге асырады; тийисли аймақта жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда қатнасыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелердиң жумысын муўапықластырады; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты жүзеге шығарыўдың нǝтийжелилигин асырыў ушын жаслардың мүтǝжликлери мониторинги алып барылыўын ҳǝм баҳаланыўын тǝмийинлеўге қатнасады; жаслардың бǝнтлиги ҳǝм оларды жумысқа орналастырыў сиясатының ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди, мийнет базары ҳǝм жас қǝнигелерди жумысқа орналастырыў ǝмелиятының мониторингин шөлкемлестириўге қатнасады; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳǝм де пуқаралық жǝмийетиниң басқа да институтлары менен бирге ислеседи. Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 9-статья. Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда қатнасыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелер системасы Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда қатнасыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелер системасына төмендегилер киреди: билимлендириўди мǝмлекет тǝрепинен басқарыў уйымлары ҳǝм билимлендириў мǝкемелери; мǝмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасын басқарыў уйымлары ҳǝм денсаўлықты сақлаў мǝкемелери; дене тǝрбия ҳǝм спорт бойынша уйымлар; мǝденият уйымлары; мийнет уйымлары; рокуратура уйымлары; ишки ислер уйымлары; ǝдиллик уйымлары; қорғаныў ислери бойынша уйымлар. Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда басқа да уйымлар ҳǝм мǝкемелер нызам ҳүжжетлерине муўапық қатнасыўы мүмкин. 10-статья. Билимлендириўди мǝмлекет тǝрепинен басқарыў уйымларының ҳǝм билимлендириў мǝкемелериниң жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы ўǝкилликлери Билимлендириўди мǝмлекет тǝрепинен басқарыў уйымлары ҳǝм билимлендириў мǝкемелери: жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады; билимлендириўдиң сапасын жақсылаўға, маман кадрларды таярлаўға қаратылған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди ҳǝм басқа ҳүжжетлерди ислеп шығыўда қатнасады; мǝпдар уйымлар ҳǝм мǝкемелер менен биргеликте орта арнаўлы кǝсип-өнер ҳǝм де жоқары оқыў орынлары питкериўшилери бǝнтлигиниң анализин ǝмелге асырады ҳǝм де оның нǝтийжелери тийкарында билимлендириў мǝкемелеринде қǝнигелерди таярлаўды жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығады; жаслардың билими ҳǝм тǝрбиясының сапасын жақсылаў, оқыў процессине билимлендириўдиң заманагөй түрлери ҳǝм усылларын енгизиў илажларын көреди; билимлендириў мǝкемелеринде жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериўди тǝмийинлеў мақсетинде спорт секциялары, илим, техника дөгереклери ҳǝм дөретиўшилик дөгереклер, клублар шөлкемлестиреди; жаслардың ҳуқықый санасы ҳǝм ҳуқықый мǝдениятын көтериў, сондай-ақ оларды руўхый, ǝдеп-икрамлылық жақтан тǝрбиялаў ислеринде қатнасады; имканияты шекленген жасларға социаллық-психологиялық ҳǝм педагогикалық жǝрдем көрсетеди; жас пуқараларды социаллық реабилитациялаў ҳǝм социаллық бейимлестириў бойынша илажлар көреди; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда қатнасыўшы басқа да уйымлар ҳǝм мǝкемелер менен бирге ислеседи. Билимлендириўди мǝмлекет тǝрепинен басқарыў уйымлары ҳǝм билимлендириў мǝкемелери нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 11-статья. Мǝмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасын басқарыў уйымларының ҳǝм денсаўлықты сақлаў мǝкемелериниң жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы ўǝкилликлери Мǝмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасын басқарыў уйымлары ҳǝм денсаўлықты сақлаў мǝкемелери: жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады; жаслар арасында санитария-гигиенаға тийисли билимлерди тарқатыў ҳǝм саламат турмыс тǝризин қǝлиплестириў бойынша үгит-нǝсият жумысларын шөлкемлестиреди; жаслар арасында системалы медициналық көриктен өткериўди шөлкемлестиреди; имканияты шекленген жасларды медициналық-социаллық реабилитациялаў бойынша илажларды ǝмелге асырады; ишиўшиликке, нǝшебентликке, токсикоманияға шалынған, руўхый жағдайы бузылған, жуқпалы ҳǝм басқа да социаллық қǝўипли кеселликлерге шалынған жас пуқараларды анықлайды, оларды есапқа алыўды, тексериўден өткериўди, сондай-ақ медициналық-социаллық реабилитациялаўды ҳǝм социаллық бейимлестириўди ǝмелге асырады; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда қатнасыўшы басқа да уйымлар ҳǝм мǝкемелер менен бирге ислеседи. Мǝмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасын басқарыў уйымлары ҳǝм денсаўлықты сақлаў мǝкемелери нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 12-статья. Дене тǝрбия ҳǝм спорт ислери бойынша уйымлардың жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы ўǝкилликлери Дене тǝрбия ҳǝм спорт ислери бойынша уйымлар: жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады; жаслар арасында дене тǝрбиясы ҳǝм спортты раўажландырыў, саламат турмыс тǝризин қǝлиплестириўге болған умтылыўшылықты ҳǝм спортқа қызығыўшылықты арттырыў бойынша илажларды ǝмелге асырады; жаслар арасында халық ойынлары, миллий ҳǝм басқа спорт түрлери бойынша жарыслардың өткерилиўин шөлкемлестиреди; жаслар арасында халықаралық спорт байланысларын раўажландырыў ҳǝм беккемлеўде, спорт жарысларын өткериўде қатнасады; дене тǝрбиясы ҳǝм спорт саласында республика көлеминде өткерилетуғын илажларда зийрек ҳǝм қǝбилетли жаслардың қатнасыўын тǝмийинлейди; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда қатнасыўшы басқа да уйымлар ҳǝм мǝкемелер менен бирге ислеседи. Дене тǝрбия ҳǝм спорт ислери бойынша уйымлар нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин»; 121-статья. Мǝденият уйымларының жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы ўǝкилликлери Мǝденият уйымлары: жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады; жаслар арасында көркем дөретиўшиликти, халық ҳǝм ҳǝўескерлик дөретиўшиликти үгит-нǝсиятлаў жумысларын ǝмелге асырады; жаслар арасында кино, театр, музыка, хореография, сүўретлеў өнери, цирк, халық ǝмелий өнерментшилиги ҳǝм эстрада көркем-өнерин раўажландырыўға, олардың идеялық-көркемлик ҳǝм тǝрбиялық дǝрежесин көтериўге көмеклеседи; жаслар арасындағы ғалабалық-мǝдений ҳǝм байрам илажларының идеялық мазмун менен толықтырылыўын тǝмийинлейди, дөретиўшилик аўқамлар ҳǝм басқа мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен жақыннан бирге ислесиўди жолға қояды; жаслар арасында халықаралық мǝдений, спорт байланысларын раўажландырыў ҳǝм беккемлеўде, конференциялар, көргизбелер, спорт жарысларын өткериўде қатнасады; дөретиўши жасларды ҳǝр тǝреплеме қоллап-қуўатлаўға көмеклеседи, олардың өз қǝбилети ҳǝм талантын толық жүзеге шығарыў ушын зǝрүрли шараятлар жаратады; дөретиўшилик сапарларының шөлкемлестирилиўин ҳǝм де мǝденият саласында халықаралық ҳǝм республикалық көлемде өткерилетуғын көрик-таңлаўларда, фестивалларда, басқа да илажларда қǝбилетли ҳǝм талантлы жаслардың қатнасыўын тǝмийинлейди; миллий өзлигимизди аңлаўда ғǝрезсизлик, жоқары руўҳыйлық, инсаныйлық дǝстүрлерине садықлық идеяларын жǝнеде терең сиңдириў, радикализм ҳǝм экстремизмниң жат идеяларына қарсы иммунитетин беккемлеў барысында жаслар арасында ағартыўшылық жумысларын ǝмелге асырады; халқымыз тарийхы ҳǝм бүгинги турмысының ең жарқын бетлерин, мǝмлекетимиздиң еркин демократиялық раўажланыўын сǝўлелендириўши шығармалар жаратыўға дөретиўши жǝмийетлерге, ǝсиресе дөретиўши жасларға ҳǝр тǝреплеме көмеклеседи; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда қатнасыўшы басқа да уйымлар ҳǝм мǝкемелер менен бирге ислеседи. Мǝденият уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 13-статья. Мийнет уйымларының жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы ўǝкилликлери Мийнет уйымлары: жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады; жаслардың бǝнтлик дǝрежесин системалы тийкарда анализлейди, олардың бǝнтлигин тǝмийинлеўде қатнасады; жасларды кǝсипке оқытыў ҳǝм қайта таярлаў бойынша системаны шөлкемлестиреди; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда қатнасыўшы басқа да уйымлар ҳǝм мǝкемелер менен бирге ислеседи. Мийнет уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 14-статья. Прокуратура уйымларының жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы ўǝкилликлери Прокуратура уйымлары: жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң анық ҳǝм бир түрде орынланыўы үстинен қадағалаўды ǝмелге асырады; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы нызам дөретиўшилиги жумысында қатнасады; жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасын ǝмелге асырады, соның ишинде ҳуқықбузарлықлардың жүз бериўи себеплерин ҳǝм буған имканият берип атырған шараятларды анықлайды, сапластырады; жаслардың ҳуқықый санасын ҳǝм ҳуқықый мǝдениятын көтериўге тийисли илажларда қатнасады; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда қатнасыўшы басқа да уйымлар ҳǝм мǝкемелер менен бирге ислеседи. Прокуратура уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 15-статья. Ишки ислер уйымларының жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы ўǝкилликлери Ишки ислер уйымлары: жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады; жаслардың ҳуқықый санасын ҳǝм ҳуқықый мǝдениятын көтериўге тийисли илажларда қатнасады; жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасын ǝмелге асырады, соның ишинде ҳуқықбузарлықлардың жүз бериўи себеплерин ҳǝм оған имканият берип атырған шараятларды анықлайды, сапластырады; жас пуқараларды социаллық реабилитациялаў ҳǝм социаллық бейимлестириў илажларын көреди; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда қатнасыўшы басқа да уйымлар ҳǝм мǝкемелер менен бирге ислеседи. Ишки ислер уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 16-статья. Әдиллик уйымларының жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы ўǝкилликлери Әдиллик уйымлары: жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы нызам дөретиўшилиги жумысында қатнасады; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў бойынша усыныслар киргизеди; жаслардың ҳуқықый санасын ҳǝм ҳуқықый мǝдениятын көтериўге тийисли жумысты ǝмелге асырады ҳǝм де муўапықластырады; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда қатнасыўшы басқа да уйымлар ҳǝм мǝкемелер менен бирге ислеседи. Әдиллик уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 17-статья. Қорғаныў ислери бойынша уйымлардың жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы ўǝкилликлери Қорғаныў ислери бойынша уйымлар: жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады; жаслардың ǝскерликке шақырылыўына шекемги басланғыш таярлығын шөлкемлестириўде қатнасады; жасларды руўхый, ǝдеп-икрамлылық жақтан ҳǝм ǝскерий - Ўатанды сүйиўшилик руўхында тǝрбиялаўға қаратылған илажларда қатнасады; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда қатнасыўшы басқа да уйымлар ҳǝм мǝкемелер менен бирге ислеседи. Қорғаныў ислери бойынша уйымлар нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 18-статья. Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының қатнасыўы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары: жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады; мǝмлекетлик ҳǝм хожалық басқарыў уйымлары, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳǝм басқа да шөлкемлер менен биргеликте кем тǝмийинленген шаңарақлардан болған жас пуқараларға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте қосымша материаллық жǝрдем көрсетеди; жаслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин қорғаўға, олардың жǝмийет турмысындағы роли ҳǝм белсендилигин асырыўға, саламат ҳǝм бǝркамал жас ǝўладты тǝрбиялаўға, шаңарақта руўхый ǝдеп-икрамлылық орталығын қǝлиплестириўге қаратылған илажларды ǝмелге асырады; жасларды тǝрбиялаў мǝселелери бойынша билимлендириў мǝкемелери ҳǝм басқа да мǝкемелер менен бирге ислеседи; тийисли аймақта жайласқан кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлерде жаслардың бǝнтлигин тǝмийинлеўге көмеклеседи; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы, мǝмлекетлик бағдарламалардың ҳǝм аймақлық бағдарламалардың орынланыўы үстинен жǝмийетлик қадағалаўды ǝмелге асырады; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда басқа да уйымлар ҳǝм мǝкемелер, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳǝм де пуқаралық жǝмийетиниң басқа да институтлары менен бирге ислеседи. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да илажларда қатнасыўы мүмкин. 19-статья. Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң қатнасыўы Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер: жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады; жасларда өмирге болған беккем исеним ҳǝм көз-қарасларды қǝлиплестириўде, оларды нызамларға, миллий ҳǝм улыўма инсаныйлық қǝдириятларға ҳүрмет руўхында, зыянлы тǝсирлер ҳǝм ағымларға қарсы тура алатуғын етип тǝрбиялаўда қатнасады; саламат ҳǝм бǝркамал жасларды тǝрбиялаўға, жǝмийет турмысында олардың роли ҳǝм де белсендилигин арттырыўға тийисли илажларды шөлкемлестиреди ҳǝм өткереди; жасларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаўды, жас пуқаралардың жеке, сиясий, экономикалық, социаллық ҳǝм де мǝдений ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин қорғаўды ҳǝм де ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейтуғын шараятларды жаратыўға көмеклеседи; илим, спорт, көркем-өнер ҳǝм мǝденият саласында жаслардың дөретиўшилик таланты ҳǝм қǝбилетин ерте анықлаўға ҳǝм де раўажландырыўға көмеклеседи; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы, мǝмлекетлик бағдарламалардың ҳǝм аймақлық бағдарламалардың орынланыўы үстинен жǝмийетлик қадағалаўды ǝмелге асырады; жасларда саламат турмыс тǝризине умтылыўды қǝлиплестириўде, жуқпалы ҳǝм басқа да социаллық қǝўипли кеселликлерге, ишиўшиликке, нǝшебентликке, токсикоманияға, қумарпазлыққа ҳǝм де басқа зыянлы иллетлерге қарсы гүресиў бойынша профилактикалық илажларды ǝмелге асырыўда, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы етип шөлкемлестириўде, жаслар спортын ғалабалық раўажландырыўда қатнасады; жаслар арасында экологиялық мǝдениятты асырыўға, экологиялық билим ҳǝм тǝрбияны раўажландырыўға көмеклеседи; нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте жасларды оқытыў менен шуғылланыўы мүмкин; жасларды исбилерменликке тартыўға, кǝсипке бағдарлаўға, қайта таярлаўға ҳǝм маманлығын асырыўға көмеклеседи. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да илажларда қатнасыўы мүмкин. Мǝмлекет жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң қатнасыўына кепиллик береди ҳǝм тǝмийинлейди. 20-статья. Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўда ғалаба хабар қуралларының қатнасыўы Ғалаба хабар қураллары: жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўға, соның ишинде саламат ҳǝм бǝркамал жас ǝўладты тǝрбиялаўға, жǝмийет турмысында оның роли ҳǝм белсендилигин арттырыўға, ҳуқықый санасы ҳǝм ҳуқықый мǝдениятын көтериўге қаратылған илажларды сǝўлелендиреди; жаслардың руўхый, интеллектуаллық, физикалық ҳǝм ǝдеп-икрамлылық жақтан жетилисиўине көмеклесиўге тийисли илажларда қатнасады; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы, мǝмлекетлик бағдарламалар ҳǝм аймақлық бағдарламалардың жүзеге шығарылыўы үстинен жǝмийетлик қадағалаўды ǝмелге асырады; жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты жүзеге шығарыўды ǝмелге асырыўшы ҳǝм де онда қатнасыўшы уйымлар ҳǝм мǝкемелер, сондай-ақ пуқаралық жǝмийетиниң басқа да институтлары менен бирге жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыў мǝселелери бойынша бирге ислеседи. Ғалаба хабар қураллары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да илажларда қатнасыўы мүмкин. 21-статья. Жаслардың мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери Жаслардың мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми физикалық ҳǝм (яки) юридикалық шахслар тǝрепинен ықтыярлы тийкарда шөлкемлестирилген, дǝрамат (пайда) алыўды өз искерлигиниң тийкарғы мақсети етип алмаған ҳǝм алынған дǝраматларды (пайданы) өз қатнасыўшылары (ағзалары) арасында бөлистирмейтуғын, жаслардың жеке, сиясий, экономикалық, социаллық ҳǝм де мǝдений ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин жүзеге шығарыўды ҳǝм қорғаўды, сондай-ақ жаслардың социаллық белсендилигин асырыўды өзиниң мақсетлери деп билетуғын, өзин-өзи басқаратуғын шөлкем болып табылады. Жаслардың мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерин мǝмлекет материаллық ҳǝм финанслық жақтан қоллап-қуўатлайды, оларға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте билимлендириў мǝкемелериниң имаратларынан, клублар, мǝденият ҳǝм халықтың дем алыў орайларынан, спорт имаратларынан ҳǝм басқа имаратлардан пайдаланыў ҳуқықын береди. Жаслардың мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми өз уставында нǝзерде тутылған жумысын материаллық жақтан тǝмийинлеў ушын зǝрүр болған имаратларға, турақ-жай фондына, үскенелерге, қуралларға, мǝдений-ағартыўшылық ҳǝм саламатландырыў ушын мөлшерленген мал-мүлкке, пул қаржыларына, баҳалы қағазларға ҳǝм басқа мал-мүлкке ийе болыўы мүмкин. Он төрт жасқа толған шахс жаслардың мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми ағзасы болыўы мүмкин. Жаслардың мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемине ағза болыў, ағзалықты жоғалтыў шǝртлери ҳǝм тǝртиби, сондай-ақ жасына қарай оның ағзалығынан шығыў шǝртлери тийисли мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң уставында белгиленеди.3-БАП. ЖАСЛАРДЫ ҲУҚЫҚЫЙ ҲӘМ СОЦИАЛЛЫҚ ҚОРҒАЎ
22-статья. Жаслардың ҳуқықлары ҳǝм еркинликлериниң кепилликлери Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳǝм Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына ҳǝм де нызамшылыққа муўапық ҳǝр бир жас пуқараның ҳуқықлары ҳǝм еркинликлери кепилленеди. Жас пуқаралардың ҳуқықлары ҳǝм еркинликлери шеклениўи мүмкин емес, нызамда белгиленген жағдайлар буған кирмейди. Жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, исеними, шахсы ҳǝм социаллық жағдайына қарамастан, жаслардың ҳуқықлары ҳǝм еркинликлерин қандайда бир тǝризде тиккелей яки тиккелей емес шеклеўге жол қойылмайды ҳǝм де бундай шеклеў нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкершиликке себеп болады. Мǝмлекет жас өспиримлерди жазаны өтеў мǝкемелеринде ҳǝм қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелеринде сақлаўда шахстың ҳуқықлары ҳǝм қǝдир-қымбатының ҳүрмет етилиўине, инсаныйлық принциплерине бойсынылыўына кепиллик береди. Жас өспиримлер ушын олар ислеген ҳуқықбузарлықтың аўырлық дǝрежеси ҳǝм олардың жасы есапқа алынған ҳалда жазаны өтеў мǝкемелеринде ҳǝм қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелеринде нызам ҳүжжетлерине муўапық топарларға ажыратылған режимде сақлаў нǝзерде тутылады. 23-статья. Жасларды социаллық қорғаў кепилликлери Нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте жаслар ушын төмендегилер кепилленеди: бийпул медициналық хызмет көрсетилиўи; бийпул улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билим алыў; мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик грантлар шеӊберинде бийпул кәсип-өнер ҳәм жоқары билим алыў; (wo.0y.w0qo-ж. wti/XXVI санлы №Р Нызамына тийкар 5згерислер киргизилген) мǝмлекетлик спорт-саўалландырыў ҳǝм мǝдений-ағартыўшылық мǝкемелерине барыў ушын шараятлар жаратыў; турақ-жай қурыў, алыў ҳǝм оны реконструкциялаў ушын жеңиллетилген кредитлер бериў; билимлендириў мǝкемелеринде оқыў ушын жеңиллетилген кредитлер бериў; жетим балаларды ҳǝм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды турақ-жайлар менен тǝмийинлеў; орта арнаўлы, кǝсип-өнер яки жоқары оқыў орынларын питкергеннен кейин бǝнтлигин тǝмийинлеў бойынша илажлар көриў; мийнет саласында жасы бойынша өзгешеликлерди инабатқа алған ҳалда жеңилликлер бериў ҳǝм жумысты оқыў менен қосып алып барыў ушын шараятлар жаратыў; социаллық инфраструктура объектлерин жойбарлаў ҳǝм қурыў ўақтында жаслардың мүтǝжликлерин есапқа алыў; жǝмийетлик транспорттан пайдаланыўда жеңилликлер бериў. Жумыс табыўда қыйналып атырған ҳǝм мийнет базарында тең шараятларда бǝсекилесиўге уқыплы болмаған жас пуқараларды жумысқа орналастырыўға жǝрдем бериў, қосымша жумыс орынларын ҳǝм қǝнигелестирилген кǝрханаларды ашыў, оқытыў бойынша арнаўлы бағдарламаларды дүзиў, сондай-ақ социаллық қорғаўға мүтǝж болған жасларды жумысқа орналастырыў ушын кǝрханалар, мǝкемелер, шөлкемлерде жумыс орынларының ең кем муғдары резервин жаратыў жолы менен тǝмийинленеди. Кем тǝмийинленген жас шаңарақларға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте материаллық жǝрдем бериў илажлары көрилиўи мүмкин. Оқыў процессинде оқыўшылар ҳǝм студентлерди жǝмийетлик жумысларға тартыўға жол қойылмайды, олар тǝрепинен таңланған қǝнигеликке сǝйкес ҳǝм оқыў-өндирислик ǝмелиятының формасы болған жағдайлар ямаса оқыўшылар ҳǝм студентлер оқыўдан бос ўақтында ықтыярлы мийнет еткен жағдайлар буннан тысқары. Бундай мийнет етиўге мийнет ҳаққындағы яки пуқаралық нызам ҳүжжетлерине муўапық шǝртнама бар болған жағдайда жол қойылады. Нызам ҳүжжетлеринде жасларды социаллық қорғаўдың басқа да кепилликлери берилиўи мүмкин. 24-статья. Жасларды мǝмлекет тǝрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары Жас пуқаралар ҳǝм жас шаңарақлар ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде мǝмлекет тǝрепинен төмендегилер жǝрдеминде жасларды қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары нǝзерде тутылыўы мүмкин: шаңарақ турмысына тийисли машқалалар, психологиялық-педагогикалық, ҳуқықый ҳǝм басқа мǝселелер бойынша мǝслǝҳǝтлер бериў системасын раўажландырыў; жасларға социаллық хызмет, социаллық жǝрдем көрсетиўши мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер системасын раўажландырыў; жаслардың дем алыўы ҳǝм оларды саўалландырыўды шөлкемлестириў системасын раўажландырыў. Нызам ҳүжжетлеринде жасларды мǝмлекет тǝрепинен қоллап-қуўатлаўдың басқа да қосымша илажлары нǝзерде тутылыўы мүмкин. 25-статья. Қǝбилетли ҳǝм талантлы жасларды мǝмлекет тǝрепинен қоллап-қуўатлаў Қǝбилетли ҳǝм талантлы жасларды мǝмлекет тǝрепинен қоллап-қуўатлаў: нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте сыйлықлар, стипендиялар белгилеў, билимлендириў грантларын бериў; илим, мǝденият ҳǝм көркем-өнер саласында дөретиўшилик устаханалар ҳǝм де мектеплерди шөлкемлестириўге көмеклесиў; улыўма орта, орта арнаўлы, кǝсип-өнер ҳǝм жоқары билимлендириў мǝкемелеринде спорт секциялары, илим, техника ҳǝм дөретиўшилик дөгереклердиң жумысын шөлкемлестириў; қǝбилетли ҳǝм талантлы жасларды анықлаў ҳǝм хошаметлеў мақсетинде таңлаўлар, олимпиадалар, көргизбелер, фестиваллар, көрик-таңлаўлар, концертлер, симпозиумлар, конференциялар, оқыў-семинарлар шөлкемлестириў ҳǝм де өткериў; жасларға тийисли халықаралық тǝжирийбе алмасыў; қǝбилетли ҳǝм талантлы жасларды билимлендириў ҳǝм де илим-изертлеў мǝкемелеринде, соның ишинде шет мǝмлекетлерде оқытыў, қайта таярлаў ҳǝм ǝмелиятын өтеў бағдарламаларынан таңлаў тийкарында пайдаланыўды тǝмийинлеў; илим-изертлеў, мǝдений-ағартыўшылық жумысларын өткериў ушын жас қǝнигелер ҳǝм илимпазларға шараятлар жаратыў, жас илимпазлардың исленбелерин ǝмелиятқа енгизиўге көмеклесиў, сондай-ақ жаслардың кадрлар потенциалын сақлап қалыў ҳǝм де раўажландырыў; спорт-билимлендириў мǝкемелери, клублары тармақларын раўажландырыў, қǝбилетли ҳǝм талантлы жас спортшыларды қоллап-қуўатлаў, жаслар арасында спорт жарысларын өткериў; қǝбилетли ҳǝм талантлы жасларды қоллап-қуўатлап атырған физикалық ҳǝм де юридикалық шахсларды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте хошаметлеў жолы менен ǝмелге асырылады. Нызам ҳүжжетлеринде қǝбилетли ҳǝм талантлы жасларды мǝмлекет тǝрепинен қоллап-қуўатлаўдың басқа да ис-илажлары нǝзерде тутылыўы мүмкин. 26-статья. Жаслар исбилерменлигин мǝмлекет тǝрепинен қоллап-қуўатлаў Мǝмлекет жаслардың экономикалық ғǝрезсизлигин қоллап-қуўатлайды. Жаслардың исбилерменлигин мǝмлекет тǝрепинен қоллап-қуўатлаў: мǝмлекетлик уйымлар тǝрепинен жаслардың исбилерменлигин шөлкемлестириўге көмеклесиў; жасларды исбилерменлик жумысына тартыў мақсетинде жеңиллетилген кредитлер бериў; жасларды исбилерменлик жумысы тийкарлары бойынша оқытыў, билимлендириў мǝкемелери ҳǝм жумыс бериўшилер арасында бирге ислесиўди шǝртнама тийкарында раўажландырыў; жаслардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳǝм жүзеге шығарыў жолы менен ǝмелге асырылады. Жаслардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў мақсетинде мǝмлекет тǝрепинен нызам ҳүжжетлерине муўапық тийисли жеңилликлер ҳǝм абзаллықлар белгиленеди. 27-статья. Жаслардың социаллық хызмети Жасларды ҳǝм жас шаңарақларды социаллық қорғаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасында жаслардың социаллық хызмети жумыс алып барады. Жаслардың социаллық хызмети жумысының бағдарлары төмендегилерден ибарат: жас пуқараларға психологиялық-педагогикалық, юридикалық жǝрдем көрсетиў ҳǝм мǝслǝҳǝтлер бериў; имканияты шекленген жас пуқараларға социаллық жǝрдем көрсетиў; жас шаңарақларға социаллық жǝрдем көрсетиў; билимлендириў ҳǝм мийнет жǝмǝǝтлеринде жаслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин жүзеге шығарыўға көмеклесиў; жас қǝнигелерге жаңа жумыс орнына бейимлесиўине, оларды қайта таярлаўға ҳǝм олардың қǝнигелигин асырыўға, сондай-ақ нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте оларды турақ-жай менен тǝмийинлеўге көмеклесиў; жас өспиримлер ушын қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелеринде социаллық жǝрдем көрсетиў; еркинен айырыў орынларынан ҳǝм қǝнигелестирилген оқыў-тǝрбия мǝкемелеринен қайтып келген жас пуқараларды социаллық бейимлестириў; жаслардың исбилерменлигин раўажландырыўға көмеклесиў; ҳуқықый үгит-нǝсият, жасларды жумысқа орналастырыў, билим алыў ҳǝм кǝсиплик таярлық туўралы, бос ўақтын мазмунлы өткериў, туризм ҳǝм спорт саласындағы имканиятлар ҳаққында хабардар етиў; жаслардың жасаў орынларында бос ўақытларын мазмунлы өткериўди шөлкемлестириў. Жаслардың социаллық хызмети өз жумысын нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да бағдарлар бойынша ǝмелге асырыўы мүмкин.4-БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР
28-статья. Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты финанслық жақтан тǝмийинлеў Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясатты финанслық жақтан тǝмийинлеў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң, қǝўендерлердиң қаржылары ҳǝм басқа да қаржылар есабынан ǝмелге асырылады. 29-статья. Тартысларды шешиў Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат саласындағы тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте шешиледи. 30-статья. Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик Жасларға тийисли мǝмлекетлик сиясат ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады. 31-статья. Айырым нызам ҳүжжетлерин өз күшин жойытқан деп табыў Төмендегилер өз күшин жойытқан деп табылсын: 1) Қарақалпақстан Республикасының 1992-жыл 14-декабрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасында мǝмлекетлик жаслар сиясатының тийкарлары ҳаққында»ғы 251–XII-санлы Нызамы; 2) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 1992-жыл 14-декабрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасында мǝмлекетлик жаслар сиясатының тийкарлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамын күшке киргизиў тǝртиби ҳаққында»ғы 252–XII-санлы Қарары; 3) Қарақалпақстан Республикасының 2010-жыл 22-майда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳǝм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 31–II-санлы Нызамының VIII бөлими; 32-статья. Нызам ҳүжжетлерин усы Нызамға муўапықластырыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: ҳүкимет қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын; мǝмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы келетуғын өз норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин қайта қарап шығыўы ҳǝм бийкар етилиўин тǝмийинлесин. 33-статья. Усы Нызамның күшке кириўи Усы Нызам рǝсмий жǝрияланған күннен баслап күшке киреди